Бабаңлардан қалған мийрасың бардай,
Отырсаң уңилип қулаған нардай,
Қызық көп ишинде бораған қардай,
Ўақтыңды урлаттың телефон менен.
Туўысқанды көзиң менен көриў жоқ,
Жақыныңа меҳир менен телиў жоқ,
Қыздың, ақлықлардың шашын өриў жоқ,
Бир тән, бир жан болдық телефон менен.
Кириў қалды қоңсыңның да уйине,
Естен шықты хабар алыў сүйине,
Таслап қойдық бәрин көше бийине,
Бәримизди матап қойды телефон.
Қалды әллеқайда ҳәййиў дегенлер,
Дым ақыллы, мийин шағып жегенлер,
Телефонды коляскаға көгенлер,
Перзентин зәҳәрлер телефон менен.
Тик токларда не бар дейсең төрели,
Қызлар сеннен тасаланып көреди,
Вирусы көп, "шашына бийт"" өреди,
Байланысып кетсе телефон менен.
Ҳәзир бирақ, интернеттиң заманы,
Ишинде тур, ""жақсысы ҳәм жаманы"",
Арасында бардур керек таманы,
Мерекеге хабаршы да телефон.
Алып қойсаң оқыўшының қолынан,
Путалып қалғандай оңлы солынан,
Әкелерин қалдырады жолынан,
Киндиги бир яңлы телефон менен.
Әке келип муғаллимди уражақ,
Ҳүрмет жоқ ғажжа -ғаж саўаш қуражақ,
Баласының тәрепинде туражақ,
Қаны қарысқандай телефон менен.
Орнына қой муғаллимниң ҳурметин,
Перзентлерге улги болсын иззетиң,
Сыйласықты сиз уяда уйретиң,
Қаның қатып қалмай телефон менен.
Қыялын урлайды түрли ойынлар,
Қызларға итибар берип қойыңлар,
Ақыл үйреткиштиң көзин жойыңлар,
Санасын уўламасын телефон менен.
Қыялың жулдызда, өзиң айдасаң,
Билмей жүрсең , усы күнде қайдасаң?!,
Кундиз түни интернетке шайдасаң,
Ўақтың өтип кетти телефон менен.
Бахтыңды урлаттың телефон менен,
Ўақтыңды урлаттың телефон менен.
Гулистан Даўлетова
2024 жыл 12 май.
@Gulistan1959