Социаллық тармақларда тойда қәўипли ҳәрекетлерди әмелге асырып, машина басқарғанлардың видеосы тарқалып, кең додалаўларға себеп болған еди.
Мәлим етилиўинше, бул жағдай Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы тойлардан биринде жүз берген.
Бул жағдай бойынша ҳәкимшилик ис Нөкис қалалық судында көрип шығылды.
Суд шешимине бола, 6 шахсқа 5 суткадан 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар