Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы @muynakpress Channel on Telegram

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

@muynakpress


💻https://muynak.uz/

📱https://www.facebook.com/profile.php?id=100088967215883&mibextid=ZbWKwL

📱https://instagram.com/muynak.press.service?utm_source=qr&igshid=NGExMmI2YTkyZg%3D%3D

📱https://www.youtube.com/@MuynakPress


📝@moynaq_murajatbot

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы (Uzbek)

Мойнақ райони ҳәкимлигиниң рәсмий канали - бу официал манба, каналида Мойнақ райони ва унинг ижтимоий-иқтисодий фаолиятлари ҳақида энг сўнгги янгиликларни тезкор кўриш имконияти берилади. Бу канал орқали Мойнақ райони фуқаролари ва ҳамкорлари маълумотларга эга бўлиш ва улар ҳамкорлик қилиш имкониятини тез ўрганишлари мумкин. Мойнақ райони ҳәкимлигиниң рәсмий канали тизимли ва амалиётларга ориентирланган манбадир. Каналда янгиликларни кўриш учун @moynaq_murajatbot гуруҳига ёзилиш мумкин.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

11 Dec, 17:09


ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң жетинши шақырық 3-сессиясы 2024-жыл 12-декабрь күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия ҳәкимликтиң facebook каналы арқалы тиккелей эфирде жарытып барылады.
https://www.facebook.com/profile.php?id=100088967215883&mibextid=ZbWKwL

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

11 Dec, 10:41


Ҳүрметли пуқаралар!

Қазанханаларды қосыўдан алдын морыларыңызды тазалатың! Морылардың тығылып қалыўы зəҳəрли газден зыянланыўға себеп болады. Зəҳəрли газ инсанды набыт қылады. Өзиңизди ҳəм шаңарақ ағзаларыңызды қəўипке қоймаң. Қəўипсизлик қағыйдаларына əмел етиң!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

11 Dec, 07:45


Илаж интернет тармағынан дурыс пайдаланыўға қаратылды

Мойнақ районындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде диний экстремизм ҳәм миссонерликтиң алдын алыў, интернеттен туўры пайдаланыў ҳәм кийиниў мәденияты ҳаққында халқымызды, әсиресе жасларымызды жат идеялар тәсиринен сақлаў, оларға қарсы иммунитетти қәлиплестириў, жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

11 Dec, 07:06


«Ucell» байланыс тармағы абонентлери мүрәжаты шешилмекте

Мойнақ районы ҳәкимлиги имараты ҳәм Мойнақ районлық Электр тәмийинлеўши кәрханасы жанына тийисли бийикликте «Ucell» мачталы қурылмалар орнатылмақта.

Бул қурылмалар орнатылғаннан соң 3 мыңнан аслам «Ucell» байланыс тармағы абонентлериниң байланыс сапасы жоқарылайды.

«Ucell» компаниясының бундай станциясы «Үшсай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына да орнатылыўы режелестирилмекте.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

11 Dec, 05:40


2024-жыл 10-декабрь Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкимлиги жуўапкерлери ҳәм секторлар басшыларының пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестирилди.
_

2024 йил 10 декабр куни Президентнинг Мўйноқ туманидаги Халқ қабулхонаси биносида туман ҳокимлиги маъсуллари ва секторлар раҳбарларининг фуқоралар қабули ташкил этилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

11 Dec, 05:31


Сексеўил егиў жумыслары даўам етпекте

Бүгинги күнде Арал теңизиниң қурыған түбинде дузлы шаңлар көтерилиўиниң алдын алыў ҳәм қумды услап қалыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егилмекте.

«Ўзбекгеофизика» АЖ «Устюрт геофизика экспедицияси» филиалф ҳәм «Яккабоғ геофизика экспедицияси» филиали жумысшылары тәрепинен Арал теңизиниң қурыған түбине 21 гектар жер майданға 7500 дана сексеўил нәли егилди.

Сексеўил нәллериниң егилиўи Аралбойы аймағы халық хожалығы объектлери, аўыл хожалығы егинлери, бағлар, саҳралар ҳәм жайлаўларды тәбияттың унамсыз тәсиринен қорғайды.

Сондай-ақ, биологиялық көп түрлиликтиң көбейиўине тәсир етеди ҳәм өнимдарлықты арттырады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

08 Dec, 13:25


Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Президент Тошкент вилояти Бўстонлиқ туманига ташриф буюриб, унинг ўсиб бораётган салоҳияти билан танишди. Давлатимиз раҳбари ХАЭА бош директори Рафаэль Гросси билан учрашув ўтказди

Ҳәптениң ең әхмийетли ўақыяларына шолыў: Президент Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында болып, оның өсип атырған потенциалы менен танысты. Шавкат Мирзиёев ХАЭА бас директоры менен сөйлесиўлер өткерди.

Обзор важнейших событий за неделю: Президент посетил Бостанлыкский район Ташкентской области и ознакомился с его растущим потенциалом. Глава государства провел переговоры с генеральным директором МАГАТЭ

Facebook|Instagram|X

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

08 Dec, 13:25


8-декабрь - Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн!

8 декабрь - Ўзбекистон Республикаси Конституцияси қабул қилинган кун!



Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

08 Dec, 13:25


ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Министрлер Кеңеси жанында дүзилген арнаўлы штабқа 24 саат даўамында мүрәжат етиўиңиз мүмкин

Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилген.

Ҳүрметли, пуқаралар!

Егер сизде усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.

⚡️ Қала ҳәм районларда шѳлкемлестирилген гүз-қыс штабларының телефон номерлери

📍 Әмиўдәрья районы 
☎️ 61 515-34-49
☎️ 61 515-32-31

📍 Беруний районы
☎️ 61 524-22-60
☎️ 61 524-26-10

📍 Қараөзек районы
☎️ 61 465-43-69
☎️ 61 465-40-59

📍 Кегейли районы
☎️ 61 412-23-35
☎️ 61 412-25-85

📍 Қоңырат районы
☎️ 61 312-15-42
☎️ 61 312-36-36

📍 Қанлыкөл районы
☎️ 61 332-13-24
☎️ 61 332-17-33

📍 Мойнақ районы
☎️ 61 322-12-97
☎️ 61 322-16-86

📍 Тахтакөпир районы
☎️ 61 435-27-75
☎️ 61 435-27-75

📍 Төрткүл районы
☎️ 61 532-21-30
☎️ 61 532-52-88

📍 Хожели районы
☎️ 61 554-11-26
☎️ 61 554-32-13

📍 Шымбай районы
☎️ 61 444-03-58
☎️ 61 444-33-03

📍 Шоманай районы
☎️ 61 346-24-73
☎️ 61 346-25-39

📍 Елликқала районы
☎️ 61 585-11-49
☎️ 61 585-22-08

📍 Нөкис районы
☎️ 61 424-45-71
☎️ 61 424-45-98

📍 Тақыятас районы
☎️ 61 572-22-91
☎️ 61 572-42-84

📍 Бозатаў районы
☎️ 61 415-36-13
☎️ 61 415-37-03

📍 Нөкис қаласы
☎️ 61 222-88-46
☎️ 61 222-70-79


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

08 Dec, 06:06


Ҳүрметли Мойнақлылар!

Бүгин республикамызда Бас нызамымыз қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы кең түрде белгиленбекте.

Конституциямыз - ғәрезсизлигимиздиң ҳуқықый негизи, инсан ҳуқықлары, мәплерин кепиллеўши, халқымыздың азат ҳәм абат Ўатан, еркин, пәраўан турмыс қурыўдай уллы мақсетке қарай бирлестириўши әҳмийетли ҳүжжет сыпатында қәдирли.

Конституцияда халқымыздың қәлеўи, социаллық санасы, миллий мәденияты, мақсет-муратлары ҳәм арзыў-нийетлери сәўлеленген.

Бизди бир мақсет жолында бирлестирген Бас нызамымыз миллетти миллет, мәмлекетти мәмлекет сыпатында танытыўда беккем ҳәм турақлы болсын!

Бәршеңизди Конституциямыз қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, сизлерге узақ өмир, саў-саламатлық тилеймен!

Мойнақ районы ҳәкими
Бахтияр Менглибеков


muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

08 Dec, 04:42


Әзиз Ўатанласлар!
Қəдирли дослар!

Гүллəн халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәнелердиң бири болған Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Өзбекстан Республикасының Конституциясы бас нызамымыз болып, мәмлекетимизде нызам үстемлигин тәмийлеўде ең тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет есапланады. Конституция қабыл етилген байрам сәнеси быйыл ҳәр жылғыдан да көтериңки руўхта белгиленбекте.

Әзиз дослар!

Бəршеңизди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген байрам сәнеси менен қызғын кутлықлаймыз.
Шаңарақларыңызға аманлық тилей отырып, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

07 Dec, 17:05


Көшпели қабыллаўларда  пуқаралар қәўипсизлиги әҳмийетли мәселеге айланбақта

Мойнақ районы Ишки ислер бөлими баслығы, үшинши сектор басшысы Жамалатдин Юсуповтың аймақларда көшпели қабыллаўлары даўам етпекте. 

Бүгинги көшпели қабыллаў «Мәдели» АПЖ аймағында өткерилип, онда ҳаўа райы температурасынан келип шыққан ҳалда турақ жайды қыздырыў дереклерин басқарыў арқалы энергия ресусларын артықша сарпланыўының алдын алыў ҳәм гүз-қыс мәўсимин зыян көрместен өткериў, энергия үнемлеўши үскенелерден нәтийжели пайдаланыў бойынша тараў қәнигелери тәрепинен көрсетпелер берилди.

Көшпели қабыллаўда мәҳәлле турғынлары турақ жайларының ысытыў мәўсимине таярлығы ҳәм бул мәўсимде қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаў бойынша  қағыйдалар атап өтилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

07 Dec, 16:57


"Әжинияз" көркем-публицистикалық фильми

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

07 Dec, 13:10


Жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумыслары қызғын даўам етпекте

Хабар бергенимиздей,  2024-жыл 29-октябрь күни Мойнаққа жаңа ишимлик суўы линиясын тартыў жумысларына старт берилген еди.

Жаңа суў линиясы 5 мың куб метр суў жеткериў ҳәм 1300 ден  зыят хожалықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў имканиятына ийе.

Жойбар Азия раўажландырыў банки есабынан қаржыландырылып, жойбар баҳасы 8,21 млн.доллардан ибарат.

Жойбар тийкарында Мойнақ районы «Қызылжар» АПЖның Әлий аўылы, «Ҳәким ата» АПЖның Дослық аўылы, «Мәдели» АПЖның Шеге аўылы, «Бозатаў» АПЖның Әмиўдәрья, Қыпшақдәрья, Таллық аўыллары, «Үшсай» АПЖның Үшсай, Тоқпақ ата аўылларына ҳәм район орайындағы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларына «Түйе мойын» суў сақлағышынан ишимлик суўы жетип барады.

Ҳәзир жумыслар Мойнақ районы «Бозатаў» АПЖның «Таллық» аўылында алып барылмақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

07 Dec, 11:37


«Қаражар»да көшпели қабыллаў өткерилди

Соңғы жылларда Мойнақ районындағы «Қаражар» аўылы турғынлары тазаланған ишимлик суўы, түнги жақтыландырыў үскенелери, пиядалар жолы менен тәмийинленип, аймақтағы билимлендириў мәкемесинде оңлаў жумыслары әмелге асырылған еди.

Быйылғы жыл да қаражаршылар турмысында унамлы ўақыяның жүз бериўи менен жуўмақланбақта.
«Қаражар» аўылына туңғыш қум-шағыл тас араласпалы жолдың төселиўи  менен аўылға кирип-шығыў аңсатласты.

Аўыл халқы да бундай дыққат-итибар ушын Президентимизге  миннетдаршылық билдиреди. Енди жолаўшыға бурын аңсатлық пенен жете алмайтуғын «Қаражар» аўылы жақынласып, аўылға тез жетип алыў имканияты жаратылды.

Мойнақ районы ҳәкими, биринши сектор басшысы Б.Менглибеков тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўда мине усы өзгерис ҳәм жаңалықлар сөз етилип, буның ушын аўыл халқы алғысларын билдирди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

06 Dec, 17:17


Жаңа суў қубыры тартылмақта

Мойнақ районы «Жайҳун» МПЖ «Өтеш» көшесиниң 150 метр аралығына жаңа суў қубырын тартыў жумыслары даўам етпекте.

Бул көшениң суў қубыры ески  болғанлығы себепли ишимлик суўы мәселеси бойынша айырықша жағдайлар көп жүз беретуғын еди.

Жаңа суў қубырының тартылыўы менен гүз-қыс мәўсиминде суўдың зая болыў ҳалаты сапластырылып, ишимлик суўы мәселеси бойынша көше турғынлары мүрәжаты унамлы шешиледи.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

06 Dec, 14:49


Конституция куни муносабати билан Ўзбекистон халқига байрам табриги

Конститутция күни мүнәсибети менен Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

06 Dec, 14:18


Реформалар ҳәм нәтийжелерди беккемлеўде Бас Нызамымыздың орны айырықша

Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети байрам илажы шөлкемлестирилди.

Район ҳәкими Б.Менглибеков  ҳәм басқа да сөзге шыққанлар қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Илажда соңғы жылларда экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм басқа да тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, ерисилип атырған нәтийжелерди беккемлеўде Жаңа редакциядағы Конституцияның орны ҳәм роли ҳаққында мағлыўматлар берилди.

«Конституция – еркин ҳәм абадан турмыс гиреўи!” деген турмыслық сүренниң мәниси ҳәм әҳмийети, Жаңа редакциядағы Конституция тийкарында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда улыўма жаңа басқышқа өтилгени атап өтилди.

Байрам Мойнақ районы Мәденият бөлими хызметкерлери, 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

03 Dec, 18:49


Бүгин, 2024-жыл 3-декабрь Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкими ҳәм секторлар басшыларының пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестирилди.
_

Бугун, 2024 йил 3-декабрь куни Президентнинг Мўйноқ туманидаги Халқ қабулхонаси биносида туман ҳокими ва секторлар раҳбарларининг фуқоралар қабули ташкил этилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

03 Dec, 16:09


#OAVda_BIZ
#Qoraqalpoğiston

Ахborot 24 | «Ma`rifat karvoni» loyihasi Nukusda
#3dec #uzbekiston24

Rasmiy sahifalarimiz👇
Telegram | Instagram | Facebook | YouTube

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

03 Dec, 15:39


#брифинг

Мойнақ районы Ишки ислер бөлими жәмийет қәўипсизлиги хызмети ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы У.Узақбергенов тәрепинен 2024-жылдың 11 айы даўамында әмелге асырған жумыслары бойынша брифинг.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

03 Dec, 15:20


Район турғынлары дыққатына!

Мойнақ районындағы ири суў тармақларында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 4,5,6-декабрь күнлери басымы аз муғдарда ишимлик суўы жетип баратуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

03 Dec, 04:37


Сиз не дейсиз? Ҳаял-қызлар қалай кийингени мақул?

Мал аласы сыртында, адам аласы ишинде

Биз ҳәзир парахат елимизде тыныш-татыў жасап атырмыз. Халқымыздың арасында күнде той-тамаша түрлери де көбейип кеткен. Дастурханларымыз түрли тағамлар менен толы. Бундай бахытлы күнлерге жеткерген Аллаға шүкиршилигимиз шексиз!

Базарға барсаң кийим дегенниң нешше түрин көресең!  Жаслар ушын арнап тигилген кийимлер биринен бири өткен сулыў!  Ҳәр жердиң, ҳәр елдиң базарында тийкарынан, өзлериниң халқы  кийетуғын кийимлер сатылады...

Толық оқыў ушын:
📍https://muynak.uz/9041.html

Таярлаған: Гүлайым Қуўанышбаева, ҚМУдың әмелиятшы студенти.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

02 Dec, 18:16


Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Президент автомобилсозлик соҳасидаги режалар билан танишди. Озиқ-овқат хавфсизлигини таъминлаш масалалари кўриб чиқилди. Инвестиция соҳасидаги ишларнинг аҳволи танқидий таҳлил қилинди

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Президент автомобиль қурылысы тараўындағы режелер менен танысты. Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды. Инвестиция тараўындағы жумыслардың жағдайы сын көзқарастан талланды.

Обзор важнейших событий за неделю: Президент ознакомился с планами в автомобильной промышленности. Рассмотрены вопросы обеспечения продовольственной безопасности. Критически проанализировано положение дел в сфере инвестиций

Facebook|Instagram|X

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

02 Dec, 14:10


Мойнақта 100 ден аслам хожалық кәмбағаллықтан шығарылады

Бүгин Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм секторлар басшылары басшылығында өткерилген мәжилис күн тәртибинде дизим қәлиплестирилген 100ден аслам хожалықты кәмбағаллықтан шығарыў, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм гүз-қыс мәўсиминде пуқараларымыз қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери көрилди.

Атап өтилгениндей, энергия ресурсларынан ақылға урғас пайдаланыў, газ ҳәм электр энергиясын үнемлеў, тармақта жоғалыўлардың алдын алыў, нызамсыз пайдаланыў жағдайларын жоқ етиў бүгинги күнниң әҳмйиетли мәселесине айланып қалмастан бул бағдарда район аймағында нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Мәжилисте тараў басшыларына алдағы ислениўи зәрүр болған ўазыйпалар белгилеп берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

02 Dec, 13:53


Хызмет көрсетиў объектлери «гүз-қыс»қа таяр ма?

15-ноябрь - 15-декабрь аралығы - өрт қәўипсизлиги айлығы шеңберинде түнги ўақытта пуқаралар қалатуғын объектлерде арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

28 Nov, 03:47


Тереклерге ҳәм тереклерди суўғарыў үскенелерине зыян жеткергенге қандай шара қолланылады?

🌴Айырым оқыўшыларымыз тәрепинен район аймағындағы тереклерге ҳәм тереклерди суўғарыў үскенелерине зыян жеткериў ҳалатлары анықланбақта.

❗️Ҳүрметли ата-аналар! Егер перзентиңиз усындай тәртипсизликлерди әмелге асырса, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьялары менен жәриймаға тийкар болады.

📹Сондай-ақ, Мойнақ районы бәрше аймағы, әсиресе, район орайы камераластырылған.

🔍Усыларды есапқа алып, жуўапкершилигиңизде болған перзентлериңиздиң әдеп-икрамлық қағыйдалына әмел етиўи ҳәм тәрбия мәселелерине итибар қаратыўға шақырамыз.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Nov, 17:28


ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң жетинши шақырық 2-сессиясы 2024-жыл 28-ноябрь күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия ҳәкимликтиң facebook каналы арқалы тиккелей эфирде жарытып барылады.
https://www.facebook.com/profile.php?id=100088967215883&mibextid=ZbWKwL

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Nov, 16:23


#Актуал

ПАРАДОКС

Бүгинги күнде медицина сол дәрежеде раўажланып атыр - көплеген институтлар, заманагөй үскенелер менен тәмийнленген емлеўханалар, ҳәр түрли тар қәнийгеликке ийе шыпакерлер, илимпазлар, ҳәр күни мыңлаған түрли дәри-дармақлар ислеп шығарылады. Бирақ кесел адамлар саны азайып атырған жоқ.
Себеби медицина кеселликтиң ақыбети менен шуғылланып атыр, ал, себеби менен жүдә аз шуғылланады.

Таярлаған: Гүлайым Қуўанышбаева
ҚМУдың әмелиятшы студенти

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Nov, 15:10


Nege mámleket qálegenshe pul shıǵarıp, hámmege tarqatıp taslay almaydı? Hámmesi óziniń qolında bolsa, printerge salıp kóbeytip taslawǵa ne tosqınlıq qıladı? Bunıń da qandayda bir sebebleri bar shıǵar?!

Aydın kanalı ne ushın mámleket qálegenshe pul shıǵarıp, sizge tarqatalmaytuǵınlıǵı haqqında video tayarlaptı.

https://youtu.be/EGP6uK_QTHM

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Nov, 15:10


Prezident ayollar orasida onkologik kasalliklarni nazorat qilishga doir davlat dasturini ma’qulladi.

Dastur milliy va xalqaro ekspertlar jamoasi tomonidan bir yilga yaqin vaqt davomidagi muhokamalardan so‘ng qabul qilindi.

Ushbu hujjatga xalqaro klinik amaliyotlar asos qilib olingan. 30 yoshdan boshlab ayollar har 10 yilda inson papillomasi virusiga test topshirishi, 45 yoshdan 65 yoshgacha esa har 2 yilda mammografiyadan o‘tishi kerak bo‘ladi. Har bir ayol elektron ro‘yxatga kiritiladi va har qanday xavfli o‘zgarishlar aniqlanganda tizimda “yo‘qolib qolmaydi”. Dastur aniq harakatlar va davolash protokollarini o‘z ichiga olgan. Albatta, bu juda katta qadam va ushbu o‘zgarishlar jarayoni shaxsan o‘z nazoratim ostida bo‘ladi.

_

Президент одобрил государственную программу по контролю женских онкологических заболеваний.

Около года экспертная команда с участием национальных и международных специалистов обсуждала все детали положений Программы.

За основу были взяты международные клинические практики. С 30 лет каждые 10 лет женщина должна будет бесплатно сдавать тесты на вирус папилломы человека, а с 45 до 65 лет делать маммографию каждые 2 года. Создаётся электронный регистр, чтобы ни одна женщина не «потерялась» в системе при обнаружении злокачественных изменений. Программа включает в себя чёткие алгоритмы действий и протоколы лечения. Это большие изменения, и они будут находиться под моим личным контролем.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Nov, 13:47


Район аймағының абаданлығы ҳәм тазалығы – халық саламатлығының тийкарғы факторы. Ал, оны сақлаў елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ең әҳмийетли ўазыйпаларының бири.

👆Ҳүрметли пуқаралар!

👆Қала әтырапында, сондай-ақ, кѳше бойларында санитариялық жағдайларды жақсылаў, өзимиз жасап атырған әтираптың тазалығы, абаданлығын сақлаў мақсетинде ири ҳәм майда шақлы шарўа малларын тийисли тәртипте ветеринария қағыйдаларына әмел еткен ҳалда ѳз қораларында бағыў яки ийеси қадағалаўында тийисли тәртипте белгиленген майданда жайыўы тийис.

👆Ири ҳәм майда шақлы шарўа маллары тәрепинен кѳше бойларында егилген мийўели ҳәм декоратив терек нәллерин набыт (пайхан) қылынған ҳалатлары анықланған жағдайда қоршаған орталық, сондай-ақ, тәбиятқа келтирилген зыян ушын мал ийелерине тийисли тәртипте, әмелдеги нызам ҳүжжетлерине тийкар ҳәкимшилик шаралары қолланылып, жәриймаға тартылатуғынлығын ЕСКЕРТЕМИЗ!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

26 Nov, 17:17


Мәҳәллелерде «Мәденият» кәрўаны шоу концерти өткерилмекте

Мойнақ районы Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен районымыз мәҳәллелеринде «Мәденият кәрўаны» шоу концерти өткерилмекте.

Аймақларда шөлкемлестирилип атырған концерт-тамаша илажлары пуқараларымызды ертеңги күнге исеним, тыныш ҳәм татыў турмысымызға шүкиршилик сезимлерин беккемлеўге хызмет етеди.

Бул мәдений-руўхый, кеўил ашар илажлары Президент Ш.Мирзиёевтиң мәденият тараўын раўажландырыў, халқымызға сапалы хызмет көрсетиў ҳәм халқымыздың сиясий-жәмийетлик турмысында әмелге асырылып атырған реформаларға белсендилигин асырыўға байланыслы ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында алып барылмақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

26 Nov, 14:56


#Денсаўлық_мүйеши

Маймыл шешеги (Monkeypox) – бул сийрек ушарасатуғын, қәўипли вируслық инфекция, адам менен ҳайўанлар арасында таралыўы мүмкин. Оны Orthopoxvirus топарына жататуғын вирус пайда етеди. Бул ең дәслеп маймылларда анықланғанлықтан усылай аталған, бирақ оның тийкарғы резервуары кемиргишлер болыўы мүмкин.

Маймыл шешегиниң белгилери:
Дене темперетурасының көтерилиўи, ҳәлсизлик, бас аўрыўы, булшықетлердиң аўрыўы, лимфа безлериниң исиниўи.

Тери белгилери: Бетте және денеде қызыл дақлар пайда болып, олардың бети көпиршиклерге (пустулалар) айланыўы. Бул жаралар кейин қурғап, қабыршақланады.

Оның тарқалыў жоллары:
1. Тиккелей байланыс: Наўқас адамның терисиндеги жаралар менен ямаса көпиршиклердеги суйықлық пенен байланыс.
2. Ҳаўа арқалы: Наўқас жөтеллегенде ямаса түшкиргенде.
3. Затлар арқалы: Аўрыў адам пайдаланған затлар.
4. Ҳайўанлар менен байланыс: Наўқасланған ҳайўанлар менен байланыста болғанда.

САҚЛАНЫЎ ЖОЛЛАРЫ:
Аўырған адамнан аўлақ болыў;
Қолды жийи жуўып, гигиенаны сақлаў;
Ҳайўанларға жақынлағанда абайлы болыў.

Вакцинация (маймыл шешегине қарсы арнайы вакцина бар).

Егер маймыл шешегине гүман болса, тез арада шыпакерге тексерилиў керек. Аўырыўдың дәрежеси жеңилден аўыр жағдайларға шекем өзгериўи мүмкин, бирақ ўақтында емленсе, көбинесе жазылады.

Таярлаған: Гүлайым Қуўанышбаева
ҚМУдың әмелиятшы студенти

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

26 Nov, 12:27


Ekologiya, atrof-muhitni muhofaza qilish va iqlim o‘zgarishi vazirligi tasarrufidagi "Orolqum'' milliy tabiat bog'ida xodimlar tomonidan o‘rnatilgan fotoqopqonlarga Burgut qushi muhirlandi

Berkut
Golden Eagle
Aquila chrysaetos Linnaeus, 1758

ssp.fulva Linnaeus,1758 

Qizil kitob ga kiritilgan zaif tabiatan kamyob ortoq lokal tarqalgan. 
Burgut har doim soni kichik bo'lgan. 1979-1980 yillarda Ustyurt platosida, Qizilqum cho'lida, Bukantau, Tamdytau, Muruntau, Pistalitau, Nurota, Xisor, Turkiston, Zarafshon va Сhotqol tizmalarida 80-100 uyalash juftlari sanab o'tilgan. Uchib o'tishlar va ko'chishlar paytida u hamma joyda topiladi.

youtube |📱instagram |
🕊telegram |📱 facebook

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

26 Nov, 12:22


Бүгин, 2024-жыл 26-ноябрь Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкими ҳәм секторлар басшыларының пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестирилди.
_

Бугун, 2024 йил 26-ноябрь куни Президентнинг Мўйноқ туманидаги Халқ қабулхонаси биносида туман ҳокими ва секторлар раҳбарларининг фуқоралар қабули ташкил этилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Nov, 16:38


Бүгин, яғный усы жылдың 21-ноябрь сәнесинен баслап Ташкент қаласында "Жипек жолында туризм-2024» 29-Халықаралық туризм ярмаркасы басланды.

Үш күн даўам етиўи күтилип атырған бул кең көлемли ярмарка павилонында көплеген орынлардың туризм потенциалын өзинде жәмлеген көргизбе стендлери орын алған.

Олардың арасында Қарақалпақстандағы шөл ҳәм Арал көринисин бүгинги күн турмысы менен бирлестирген  креатив көргизбе көпшиликтиң итибарын тартпақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Nov, 13:21


2024-жыл 22-ноябрь күни «Бозатаў» ҳәм «Мәдели» АПЖлары аймақларындағы тәбийғый газ тәмийинаты системасында алып барылатуғын оңлаў жумыслары басқа сәнеге көширилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Nov, 11:15


Кеўил билдириў

Хожаниязов Мақсет Қошқарбаевич. Ол 1960-жылы Мойнақ районында туўылған. Ол өз мийнет жолын баслағаннан бери пүткил өмири бойы хызмет көрсетиў, қурылыс ҳәм абаданластырыў тараўында басшы жумысларда пидәкерлик мийнет етти.

30 жылдан аслам ўақыт даўамында ҳүрметли дем алысына шекем районлық абаданластырыў басқармасының баслығы лаўазымында жемисли мийнет еткен. Ол районымыздың социаллық-экономикалық раўажланыўына, гүллеп-жайнаўына салмақлы үлес қосқан ҳүрметли инсан еди.

Хожаниязов Мақсет Қошқарбаевич қайтыс болыўы мүнәсибети менен оның жақын-жуўықлары, туўған-туўысқанлары ҳәм шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Nov, 05:50


Аўқатланғаннан соң 2 саат ишинде кеминде 20 минут ҳәрекетлениў организмдеги қандағы қант муғдарын кемейттиреди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

20 Nov, 18:19


Көшпели қабыллаў: арзыўға қанат, мақсетке мәдет, машқалаға шешим болатуғын система

Мойнақ районы «Мәдели»  АПЖ турғынлары менен ашық сәўбетте болыў, олардың машқалаларын тыңлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерилди.

Атап өтиў керек, соңғы жылларда «Мәдели» АПЖ аймағында көплеген қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып, аўыл халқының жасаў шараяты жақсыланды.

Қабыллаўға район ҳәкими  Б.Менглибеков, районлық Ишки ислер бөлими баслығы Ж.Юсупов ҳәм Президенттиң райондағы Халық қабыллаўханасы баслығы Д.Қәлимбетовлар қатнасты.

Қабыллаўда атап өтилген машқалалардың айырымлары сол орынның өзинде унамлы шешим тапқан болса, мүддет талап етилетуғын мәселелер қадағалаўға алынды.

Сондай-ақ, мәҳәлле турғынлары машқалалардың шешими бойынша ҳуқықый түсиниклерге де ийе болды. Бундай қабыллаўлар мәҳәллелер бойлап даўам етпекте.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

20 Nov, 18:05


Жақында Ташкент қаласында ҳаял-қызлар арасында спорттың миллий кураш түринен “Кураш Маликалары” Республика турнириниң жеңимпазы болған Мойнақлы Сабрина Узақбаева ғалаба хабар қураллары нәзеринде!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

20 Nov, 16:16


«B2» алыў ушын не ислеў керек?

Халықаралық дәрежедеги бул сертификатты қолға киритиў ушын анық ҳәм толық жазып билиў, сондай-ақ күтилмеген темаларда жазып ҳәм сөйлеп билиў керек.

Бул дәрежеге жетиў ушын әлбетте тынымсыз оқыў, излениў ҳәм көп тер төгиў керек. Мойнақлы Әжинияз Турдыбаев инглис тили бойынша «B2» сертификатын алыў ушын ҳәмийше ҳәрекетте болды.

Ол Мойнақ районы «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйынындағы 14-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы. Ә.Турдыбаевтиң оқыў, билиў ушын төккен тери зая кетпеди. Ол жақында инглис тили бойынша «B2» халықаралық сертификатына ийе болды. Ол буның ушын устазы Айдарбек Төребековқа миннетдаршылық билдиреди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

20 Nov, 15:11


"BIZ  KORRUPCIYAǴA QARSIMIZ!" atamasında ılajlar shólkemlestirilmekte

Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrligi tarawında ministrlik hám onıń aymaqlıq bólimleri, shólkemleri hám mákemeleri jumısınıń tiykarǵı jónelisleri menen tanıstırıw, áhmiyetli mashqalalardı tezlik penen sheshiw, korrupciyaǵa qarsı gúresiw sisteması nátiyjeliligin jánede asırıw, sonday-aq, korrupciyalıq is-háreketlerdi óz waqtında anıqlaw, olardı saplastırıw, aqıbetleri, keltirip shıǵarıwshı sebepleri hám shárt-sharayatların saplastırıw maqsetinde 2024-jıldıń
1-noyabrinen 1-dekabr sánelerinde «Korrupciyaǵa qarsı gúresiw aylıǵı» sheńberinde 15-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde 8-10 klass oqıwshıları arasında "BIZ KORRUPCIYAǴA QARSIMIZ!" atamasında jarıs shólkemlestirildi. Jarısqa oqıwshılar topar bolıp qatnasıp, 4 basqısh boyınsha óz ara bellesti. Jarıs juwmaǵında 4 basqısh boyınsha alǵan balları esaplanıp, jeńimpazlar mektep húrmet jarllıqları menen sıylıqlandı.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

16 Nov, 14:16


Миллий қәдириятларымыз - бийбаҳа байлығымыз!

Мәмлекетимизде әзелден көплеп миллет ўәкиллери татыўлықта жасап келмекте. Халқымыз кеңпейиллик, миймандослық, кеширимлилик, басқалардың үрп-әдет ҳәм қәдирятларын қәдирлеў сыяқлы улыўма инсаныйлық пазыйлетлери менен үлги болып келген.

Ҳәзирги күнде түрли миллет ўәкиллериниң миллий дәстүрлери ҳәм қәдирятларын сақлаў, оларды және де раўажландырыў ҳәм байытыў мәселеси мәмлекетимиздиң итибарында болып келмекте.

Мойнақ районы Мекетепке шекемги ҳəм мектеп билимлендириў бөлими жанындағы «Бəркамал əўлад» балалар мектебинде байрам илажлары ҳəм «Кеңпейиллик мениң нәзеримде» атамасында сүўретлеў таңлаўы шөлкемлестирилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

16 Nov, 13:49


#балалар_ҳəрекети
#мектеп_сəрдарлар_сайлаўы
#Мәдели_АПЖ

⚡️Мойнақ районы Мәдели мəҳəллесинде жайласқан 11, 12-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде мектеп балалар ҳəрекети сəрдарлар сайлаўы өткерилди.

  ⭐️ Сəрдарлыққа талабанлар өзлериниң “теңлес-теңлеске” принцпи тийкарында таярлаған жойбарлары менен барлық оқыўшы жасларға таныстырды ҳəм ашық даўыс бериў жолы менен ең мүəсип талабанлар мектеп сəрдарлары қатарынан орын ийеледи.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

16 Nov, 13:46


SUVNI ASRANG, TEJANG VA YuQORI DAROMADGA EGA BO‘LING!

Mo‘ynoq fermer, dehqon xo‘jaliklari va tomorqa er egalari kengashi Rayosatining

M U R O J A A T I

Hurmatli fermer va dehqonlar, suvni tejang va qadrlang!

👇👇👇
Batafsil

Mo‘ynoq fermer, dehqon xo‘jaliklari va tomorqa er egalari kengashi rayosati a'zolari


muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

16 Nov, 13:21


Мектеплерде «Халықаралық кеңпейиллик ҳәптелиги» өткерилмекте

11-16-ноябрь күнлери улыўма билим бериў мектеплеринде кеңпейиллик ҳəптелигин өткериў белгиленген.

Ҳəптелик шеңберинде Мойнақ районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Халықаралық кеңпейиллик күни» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Кешеде миллий аяқ ойынлар, жаслар тәрепинен таярланған сахналық көринислер шөлкемлестирилип байрам кешеси  көтериңки руўхта болып өтти.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

16 Nov, 12:50


Бүгин - «Халықаралық кеңпейиллик күни»

«16-ноябрь - Халықаралық кеңпейиллик күни» мүнəсибети менен районлық Мәденият сарайында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими менен биргеликте «Кең пейил халықпыз!» атамасында өткерилген «Ең жақсы сүўрет» көрик таңлаўы өткерилди.

Бул илаж жаслар арасында саламат социаллық-руўхый орталықты тәмийинлеў, динлераралық кеңпейилликти беккемлеў ҳәм терроризм, экстремизм сыяқлы жат иллетлерге қарсы идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў ҳәм татыўлықты беккемлеўге хызмет етеди.

Таңлаў соңында Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм оқыўшылар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Oct, 16:55


378-Сайлаў учаскасы

Дослық мәкан пуқаралар жыйыны турғыны
Уразбаев Талғат ҳәм
Ержанова Шахсанем
неке тойы күнинде сайлаўға қатнасып өзине мүнәсип талабанын сайлады.

"Арал
балықшысы"газетасы рәсмий каналына ағза болыў
👇👇👇👇👇👇👇👇👇

https://t.me/+29_6USoq2BgzYmYy

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Oct, 16:55


Мойнақ районы Қазақдәрья АПЖ турғынлары да бүгинги сиясый мапазға белсенди қатнасты.

"Арал
балықшысы"газетасы рәсмий каналына ағза болыў
👇👇👇👇👇👇👇👇👇

https://t.me/+29_6USoq2BgzYmYy

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Oct, 14:09


Сайлаў учаскаларына келип даўыс бериў имканиятынан шекленген пуқараларға өзи таңлаған талабанына даўыс бериў имканияты жаратылып берилди.


"Арал
балықшысы"газетасы рәсмий каналына ағза болыў
👇👇👇👇👇👇👇👇👇

https://t.me/+29_6USoq2BgzYmYy

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Oct, 14:09


#Интервью
Андрей Реша
Франция Сенаторы


"Арал
балықшысы"газетасы рәсмий каналына ағза болыў
👇👇👇👇👇👇👇👇👇

https://t.me/+29_6USoq2BgzYmYy

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Oct, 14:09


Jas_saylawshı

Siyasiy processte aymaqtıń jaslar da belsendilik kórsetpekte 

 Elimizdiń barlıq orınlarında bolǵanı sıyaqlı, Moynaq rayonı  aymaǵında jaylasqan saylaw uchastkalarında Ózbekstan Respublikası Oliy Majlisi Nızamshılıq palatası, Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesi hám jergilikli Keńeslerge deputatlardı saylawı shólkemleskenlik penen baslap dawam etpekte.

Haqıyqatında da jaslar mámleketimizdiń erteńgi keleshegi bolıp tabıladı. Sonlıqtan Moynaqlı jaslar da elimizdiń keleshegin belgilewshi bul siyasiy waqıyaǵa belsene qatnasıp, ózleri qálegen talabanǵa dawıs bermekte.

-Mende búgin birinshi márte bul saylaw procesine qatnasıp atırman. Men erteńgi keleshegim ushın dawıs berdim-moynaqlı jas Aydana Avtomatova.



"Арал
балықшысы"газетасы рәсмий каналына ағза болыў
👇👇👇👇👇👇👇👇👇

https://t.me/+29_6USoq2BgzYmYy

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Oct, 14:09


Saylawǵa hayal-qızlar belsene qatnaspaqta

Moynaq rayonında Oliy Majlis Nızamshılıq palatası, Qaraqalpaqstan Respublikası  Joqarǵı Keńesi hám jergilikli keńesler deputatlarınıń saylawı joqarı keypiyatta dawam etpekte. 

Búgingi ótkerilip atırǵan saylawda aymaqlardaǵı hayal-qızlar belsendileri menen birgelikte bárshe hayal-qızlar hám nuranıy apalar saylawǵa belsendilik penen qatnaspaqta.

Barlıq orınlarda saylawshılar ushın qolay sharayatlar jaratılǵan bolıp shańaraq aǵzaları menen dawıs berip atırǵan puqaralar sanı kópshilikti quramaqta.

Puqaralıq huqıqınan paydalanıp, saylawda belsene qatnasıp atırǵan xalıq wákilleri ózleri tańlaǵan múnásip talabanǵa dawıs bermekte.


"Арал
балықшысы"газетасы рәсмий каналына ағза болыў
👇👇👇👇👇👇👇👇👇

https://t.me/+29_6USoq2BgzYmYy

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

27 Oct, 14:09


#сайлаў_2024

Мойнақ районында сайлаў процеси қызғын даўам етпекте. Район орайындағы 377-сайлаў участкасы жайласқан "Таллы өзек" мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан шаңарақ қурып атырған жас келин-күйеў  бүгинги сиясий мапазға белсене қатнасты. Бүгинги күн олардың өмириндеги умтылмас сәне. Себеби, олар айдын келешеги, бахытлы турмысы ушын неке тойы болып атырған күнинде сайлаўға қатнасып атыр. "Ҳәзиргилердиң тойы өзгеше болып өтеди я!?" деп сайлаўға келгенлер ҳәўес пенен қарап, жақсы тилеклерин билдирип атыр. Жасы үлкен нураныйлар да ақ пәтиясын берип, жас жубайларға ҳақ жол тиледи.

"Арал
балықшысы"газетасы рәсмий каналына ағза болыў
👇👇👇👇👇👇👇👇👇

https://t.me/+29_6USoq2BgzYmYy

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 11:53


Мойнақ районы бойынша жетистирилген мәйек көлеми
2024-жыл январь-сентябрь айларында Мойнақ районында барлық түрдеги хожалықлардан 3,64 млн. дана мәйек жетилистирилди. Өсим пәти 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 104,1.% ды қурады.
Мәйек жетистириў көрсеткишлери бойынша аналыз қылынғанда, мәйек жетилистириўдиң ең үлкен көлеми – 3,50 млн. дана дийхан ҳәм қыйтақ жер хожалықларына туўра келетуғынлығын көриўимизге болады.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 11:53


Мойнақ районында санаат өнимлерин ислеп шығарыў
Дәслепки мағлыўматларға тийкар усы жылдың январь-сентябрь айларында Мойнақ районында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 286,3 млрд.сўмлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 118,1 % ти қурады.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 11:53


Мойнақ районында тийкарғы капиталға киритилген инвестициялар
2024-жыл январь-сентябрь айларында Мойнақ районында тийкарғы капиталға киритилген  инвестициялардың улыўма көлеми миллий валютада 1335,0 млрд. сумды қурап өткен жылдың сәйкес дәуирине салыстырғанда өсиў пәти 149,3 % ти қурады.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 11:53


Мойнақ районында көрсетилген хызметлер көлеми
2024-жыл январь-сентябрь айларында Мойнақ районында корсетилген хызметлер көлеми 226,7 млрд. сўмды қурады. Өсим пәти өткен жылдың сәйкес дәуирине салыстырғанда 119,9 % ти қурады.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 09:32


Biz saylawda qatnasıwǵa tayarmız, siz she? ‎

📱 Saylaw2024

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 07:11


Исбилерменлер машқаласы тыңланды

Толық оқыў ушын: https://muynak.uz/8849.html
_

Тадбиркорлар муоммаси ўрганилди

Батафсил: https://muynak.uz/8849.html

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 06:31


ТЕРМИТ ЗЫЯНКЕСЛЕРИНЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСЕЙИК!

Кейинги жыллары Республикамыздың барлық тəбийғый аймақларында термит зыянкеслери тарқалып атырған майданлардың артып барыўы менен халық хожалығына келтирип атырған зыянлардың асыўы жағдайлары жүз бермекте.

Буның баслы себеби термитлер жасайтуғын тəбийғый ордалары бар жерлердиң өзлестирилип, орнына турақ жайлар салынып, халықтың бул зыянкес ҳаққында толық мағлыўматқа ийе емес екенлиги, термитлер келтиретуғын зыянға қарсы гүресиў шаралары əмелге асырылмағанлығы, турақ жайларды қурыўда термитлерге қарсы профилактикалық илажлардың əмелге асырылмағанлығы болып табылады.

Солай екен, өз жасаў турақ жайларымызда термитлер анықланған жағдайда белгиленген кəрханалар тəрепинен термитлерге қарсы қолланылатуғын приманкаларды шəртнама тийкарында зыянсызландырыў жумысларын алып барыў мақсетке муўапық болып есапланады.

Ең баслысы өзимизди ҳəм мал-мүлкимизди қəуип қəтерден сақлаған боламыз!

Районлық Айрықша жағдайлар бөлими

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 06:26


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ елиў екинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 04:44


Тереклерге ҳәм тереклерди суўғарыў үскенелерине зыян жеткергенге қандай шара қолланылады?

🌴Айырым оқыўшыларымыз тәрепинен район аймағындағы тереклерге ҳәм тереклерди суўғарыў үскенелерине зыян жеткериў ҳалатлары анықланбақта.

❗️Ҳүрметли ата-аналар! Егер перзентиңиз усындай тәртипсизликлерди әмелге асырса, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьялары менен жәриймаға тийкар болады.

📹Сондай-ақ, Мойнақ районы бәрше аймағы, әсиресе, район орайы камераластырылған.

🔍Усыларды есапқа алып, жуўапкершилигиңизде болған перзентлериңиздиң әдеп-икрамлық қағыйдалына әмел етиўи ҳәм тәрбия мәселелерине итибар қаратыўға шақырамыз.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 04:37


#Ваканция #Мойнақ

✔️«Қызыл жар» АПЖ:
▪️«Мойнақ эко инвест» ЖШЖне 4 жалланба жумысшы ҳәм 1 тракторшы керек. Мийнет ҳақы 2 млн. сўмнан басланып, 5 млн.сўмға шекем төленеди. +998948540094

▪️«Севинч Сарварбек» ЖШЖ фермер хожалығына 5 жалланба жумысшы керек. Мийнет ҳақы 1млн.200 - 1млн.800 мың сўмнан ибарат. +998941243647

▪️«Қызылжар» ЖШЖне 2 тракторшы ҳәм 3 жумысшы зәрүр. Тракторшының ис ҳақысы 2,5 млн.сўм, жумысшының ис ҳақысы 2 млн.сўмнан ибарат. +998937075157

▪️«Арал лидер» ЖШЖне 3 жумысшы зәрүр. Ис ҳақы 1,5-2 млн.сўмнан ибарат. +998975119991

✔️«Ҳәким ата» АПЖ:
«Мойнақ агро дийхан» ЖШЖне 2 жумысшы керек. Ис ҳақы 2 млн.сўмнан ибарат. +998913870666; +998931652651

✔️«Бозатаў» АПЖ:
«MUYNAK LDSP» ЖШЖ кәрханасы химия-биология қәнигелигин питирген жоқары мағлыўматлы пуқараларды жумысқа шақырады. Айлық ис ҳақы 2,5-5 млн.сўмнан басланады. Асығың, ваканция орынлар саны шекленген! +998995671502

✔️«Дослық» МПЖ:
▪️«Мойнақ агро текстиль» ЖШЖ 50 тигиўши ҳаял-қызларды жумысқа шақырады. Ис ҳақы келисилген ҳалда төленеди ҳәм алыс аймақтан қатнап ислеўшилердиң келиў қәрежети қаплап бериледи. Түслик аўқат кәрхананың ишинде шөлкемлестирилген ҳәм тигиўшиликке қызығыўшы, соның менен бирге сол жерде ислеймен, деўши ҳаял-қызларға тигиўшилик үйретиледи. +998959470606

«Арал» МПЖ:
▪️Жаңадан ашылған “Call-center”ға рус тилин билетуғын жасларды оператор лаўазымына жумысқа мирәт етемиз! +998907027765

▪️“Orol artemiya sanoati” мәмлекетлик мәкемеси пуқаралық хуқуқый шәртнама тийкарында ер адамларды мәўсимлик жумысқа қабыл етеди. +998551055581

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

24 Oct, 04:37


✈️Нөкис – Мойнақ – Нөкис жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар даўам етпекте

Билетлерди +998938439291 байланыс номердеги касса арқалы алсаңыз болады.

Дүйшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

Жума:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35 

Екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

23 Oct, 15:39


Ренат Аяпбергенов - Жайхун МПЖ жаслар жетекшиси

Бәрше Мойнақлы жасларды сайлаў мапазына белсене қатнасыўға шақырады.
_

Ренат Аяпбергенов - Жайхун МФЙ ёшлар етакчиси

Барча Мўйноқлик ёшларни сайлов жараёнига фаол иштирок этишга чорлайди

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

23 Oct, 14:14


Мойнақ жаслары бәршени сайлаўға белсене қатнасыўға шақырады
_

Мўйноқ ёшлари барчани сайловга фаол иштирок этишга чорлайди

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

23 Oct, 14:10


e-auksion.uz платформасы арқалы 6247 ға жақын көшпели саўда жерлерин 3 жылға ижараға алыӊ!

🟢
Нөкис қаласы 1132 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 361 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 303 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 189 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 287 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 260 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 442 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 292 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 250 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 269 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 302 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 447 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 462 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 285 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 450 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 248 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 268 (қараңыз)

e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

22 Oct, 15:32


ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Министрлер Кеңеси жанында дүзилген арнаўлы штабқа 24 саат даўамында мүрәжат етиўиңиз мүмкин

Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилген.

Ҳүрметли, пуқаралар!

Егер сизде усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.

⚡️ Қала ҳәм районларда шѳлкемлестирилген гүз-қыс штабларының телефон номерлери

📍 Әмиўдәрья районы 
☎️ 61 515-34-49
☎️ 61 515-32-31

📍 Беруний районы
☎️ 61 524-22-60
☎️ 61 524-26-10

📍 Қараөзек районы
☎️ 61 465-43-69
☎️ 61 465-40-59

📍 Кегейли районы
☎️ 61 412-23-35
☎️ 61 412-25-85

📍 Қоңырат районы
☎️ 61 312-15-42
☎️ 61 312-36-36

📍 Қанлыкөл районы
☎️ 61 332-13-24
☎️ 61 332-17-33

📍 Мойнақ районы
☎️ 61 322-12-97
☎️ 61 322-16-86

📍 Тахтакөпир районы
☎️ 61 435-27-75
☎️ 61 435-27-75

📍 Төрткүл районы
☎️ 61 532-21-30
☎️ 61 532-52-88

📍 Хожели районы
☎️ 61 554-11-26
☎️ 61 554-32-13

📍 Шымбай районы
☎️ 61 444-03-58
☎️ 61 444-33-03

📍 Шоманай районы
☎️ 61 346-24-73
☎️ 61 346-25-39

📍 Елликқала районы
☎️ 61 585-11-49
☎️ 61 585-22-08

📍 Нөкис районы
☎️ 61 424-45-71
☎️ 61 424-45-98

📍 Тақыятас районы
☎️ 61 572-22-91
☎️ 61 572-42-84

📍 Бозатаў районы
☎️ 61 415-36-13
☎️ 61 415-37-03

📍 Нөкис қаласы
☎️ 61 222-88-46
☎️ 61 222-70-79


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

22 Oct, 14:08


Бүгин, 2024-жыл 22-октябрь Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкими ҳәм секторлар басшыларының пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестирилди.
_

Бугун, 2024 йил 22 октябрь куни Президентнинг Мўйноқ туманидаги Халқ қабулхонаси биносида туман ҳокими ва секторлар раҳбарларининг фуқоралар қабули ташкил этилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

22 Oct, 13:32


Quwanıshbaeva Gúlbanıw - Moynaq rayonı 7-sanlı mektep kitapxanashısı

"Húrmetli watanlaslar! Saylawdaǵı hárbir qararıńız tek ǵana ózińiz emes, al jaqınlarıńız hám pútkil elimizdiń turmısın ózgertiwi múmkin. Sonlıqtan bárshemiz baxıtlı turmıs ushın háreket isleyik. Bárshemiz birge saylawda belsene qatnasayıq".

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

22 Oct, 06:00


Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Дунёдаги энг йирик кон-металлургия лойиҳаларидан бири. Президент 2025 йилга мўлжалланган макроиқтисодий кўрсаткичларни муҳокама қилди. Green University - атроф-муҳит ва иқлим ўзгаришини ўрганиш бўйича Марказий Осиёдаги биринчи университет.

Ҳәптениң ең әхмийетли ўақыяларына шолыў: Дуньядағы ең ири кән-металлургия жойбарларынан бири. Президент 2025-жылға мөлшерленген макроэкономикалық көрсеткишлерди додалады. Green University - қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў бойынша Орайлық Азиядағы биринши университет.

Обзор важнейших событий за неделю: Один из крупнейших горно-металлургических проектов в мире. Президент обсудил макроэкономические параметры на 2025 год. Green University - первый в Центральной Азии университет по изучению окружающей среды и изменения климата

Facebook|Instagram|X

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Oct, 17:10


Miratdin Abdullaev - Qaraqalpaqstan Respublikasına xızmet kórsetken artist

"Húrmetli doslar! 27-oktyabr kúni bolıp ótetuǵın saylawǵa bársheńizdi belsene qatnasıwǵa shaqırıp qalaman. Sebebi keleshek siz hám bizlerdiń qolımızda".

📱 Saylaw2024

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Oct, 17:10


Bugun UNFPAning Oʻzbekistondagi vakolatxonasi rahbari Nigina Abaszade bilan uchrashuv oʻtkazdik.

Muloqot davomida asosiy e’tibor ta’lim, sog‘liqni saqlash va inson kapitalini rivojlantirish masalalariga qaratildi. Bachadon boʻyni va koʻkrak bezi saratoniga qarshi kurashish boʻyicha amalga oshirilayotgan davlat dasturi, shuningdek, onalar va bolalar oʻlimi mavzusini keng muhokama qildik. UNFPA tomoni ushbu sohalarda mamlakatimizga ekspertlik ko‘magi va texnik yordam ko‘rsatishga tayyorligini bildirdi.




Сегодня состоялась встреча с главой представительства ЮНФПА в Узбекистане Нигиной Абасзаде.

Основное внимание было уделено вопросам образования, здравоохранения и развития человеческого капитала. Мы подробно обсудили реализуемую государственную программу по борьбе с раком шейки матки и молочной железы, а также тему материнской и детской смертности. Со стороны ЮНФПА была выражена готовность в оказании экспертной и технической поддержки нашей стране по данным направлениям.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Oct, 17:10


Baǵdagúl Bishekova - miyirbiyke

“Saylawlar - keleshekke bolǵan úmitlerimizdi bildiriwimiz múmkin bolǵan waqıt. Siziń qatnasıwıńız bárshemiz ushın jańa imkaniyatlardı ashıwı múmkin. Belsendi bolıń”.
 
📱 Saylaw2024

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Oct, 17:10


https://www.youtube.com/watch?v=5ZCaMilz9uA&ab_channel=QaraqalpaqstanRespublikas%C4%B1Joqar%C7%B5%C4%B1Ke%C5%84esi

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Oct, 17:10


Bayram Perdebaev - Qaraqalpaqstan Respublikasına xızmet kórsetken artist

“Saylaw - bul tek ǵana rásmiylik emes, bul siziń huqıqıńız hám imkaniyatıńız. Saylawlarda qatnasıń hám belsendilik kórsetiń!”.
 
📱 Saylaw2024

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Oct, 17:10


Malika Esbergenova - shıpaker

“Háreket etiw waqtı keldi! Saylawdaǵı hárbir qararıńız mıńlaǵan adamlardıń ómirine tásir etiwi múmkin. Aydın keleshek jolında birleseyik!”.

📱 Saylaw2024

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Oct, 17:10


https://www.youtube.com/watch?v=znnVg9AtPRs&ab_channel=QaraqalpaqstanRespublikas%C4%B1Joqar%C7%B5%C4%B1Ke%C5%84esi

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

21 Oct, 12:54


МОЙНАҚ РАЙОНЫНЫҢ АЙРЫМ АЙМАҚЛАРЫНДА ЕРТЕҢ ТƏБИЙҒЫЙ ГАЗ ТƏМИЙНАТЫ ӮАҚЫТША ТОҚТАТЫЛАДЫ.

“Ургенчтрансгаз” кәрханасы тәрепинен Мойнақ районы аймағындағы “Мойнақ” автоматластырылған газ бөлистириӯ станциясында оңлаӯ жумыслары алып барылыӯына байланыслы 22-октябрь күни саат 14:00 ден 18:00 ге шекем райондағы усы ГРС арқалы тәбийғый газ бенен тәмийинленип турған барлық түрдеги тутыныӯшыларға тәбийғый газ жеткерип бериӯ ӯақытша тоқтатылады.

Усы аймақларда жәми хожалықлар саны 3011 ты қурайды.

Тутыныӯшылардан газди өширип ҳәм қайта жалғаған ӯақытлары техникалық қәӯипсизлик қағыйдаларына әмел етиӯин сораймыз.

✍️ “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ мәлимлеме хызмети