XALÍQ USHÍN ⚖️ @xaliq_ushin Channel on Telegram

XALÍQ USHÍN ⚖️

@xaliq_ushin


Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар

Хабарласыў: @trillion_uzb

Est. 10.04.2020.

XALÍQ USHÍN ⚖️ (Uzbek)

XALÍQ USHÍN is a Telegram channel dedicated to the latest laws, decisions, and legal news. Established on 10.04.2020, this channel aims to keep its subscribers informed about the legal developments in Uzbekistan. Whether you are a legal professional, a law student, or just someone interested in staying up-to-date with the legal landscape of Uzbekistan, XALÍQ USHÍN is the perfect channel for you. With a focus on providing accurate and timely information, this channel serves as a valuable resource for anyone looking to stay informed about legal matters in the country. For more updates, you can also follow their channel @trillion_uzb. Stay informed, stay updated with XALÍQ USHÍN ⚖️!

XALÍQ USHÍN ⚖️

11 Jan, 12:06


⚡️Педагогларға 70 процентлик үстеме бериў жолға қойылады

💰Аттестацияда 86 ҳәм оннан жоқары балл топлаған муғаллимлерге 70 процентлик үстеме берилиўи мүмкин.

🧾 Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Педагог кадрларға маманлық категорияларын бериў процесин шөлкемлестириў басқармасының баслығы Сардор Раҳимбоевтың айтыўынша, халықаралық стандартлар тийкарында маманлық сертификатына ийе болған педагогларға 70 процентлик үстеме берилиўи мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў басланған. Система халықаралық аккредитациядан өткеннен кейин усы талаплар тийкарында 86 баллық нәтийже менен маманлық сертификатын алған педагоглар 70 процентлик үстеме алыўы мүмкин болады.

🔔 Мағлыўматты муғаллимлерге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

11 Jan, 11:31


#коррупцияжоқболсын
🪳Коррупционер тараканға уқсайды - барлық жумысларын көзден пана жерде, қаранғыда питиреди.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

11 Jan, 10:42


❗️Муғаллимлердиң қуўанышы көпке созылмайтуғын қусайды

Тарқалған хабарларға көре, машиналарды бөлип төлеў бойынша Мектеп министрлигиниң усынысы «O’zAvtosanoat» АЖ тәрепинен бийкар етилипти. Яғный, бундай жеңиллик ҳешкимге берилмейди.

☝️Хабар еле рәсмий дереклерде тастыйықланбады.

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

11 Jan, 07:26


☝️Анықластырыў

⚡️Бөлип бериўге берилетуғын автомобиллерди тек муғаллимлер емес ал Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасына киретуғын барлық мектеп, бағша ҳәм мәкемелердиң нәтийжели жумыс ислеп атырған, автомобилге мүтәж басқа хызметкерлери де алыўы мүмкин.

Автомобиллер “Муғаллимге ҳүрмет” (Муаллим эъзозда) акция шеңберинде бериледи.

🔔 Мағлыўматты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

11 Jan, 06:02


Мектеп оқыўшыларының формасына нызамшылықта қандай талаплар қойылған?

❗️Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 15-августтағы 666-санлы қарарына тийкар оқыўшылар тәрепинен мектеп формасын кийиўде төмендеги талапларға әмел етилиўи керек:

кийимлердиң жүдә тар ямаса жүдә кең пишимде болмаўы;
қызлар ушин юбканың узынлығы дизеден кеминде 5-15 см төменде болыўы;
ер балалар ушын шалбардың узынлығы аяқтың тобығынан төменде болыўы;
аяқ кийимлердиң өкшеси 3 сантиметрден жоқары болмаўы;
көйлектиң ең жоқарысындағы түймесинен басқа барлық түймелердиң илдирилген болыўы;
кийимлердиң таза ҳәм утюгленген болыўы.

🚫Оқыўшылар мектеп имаратының ишинде бас кийимсиз жүриўи керек, билимлендириў мәкемесинде өткерилетуғын ҳәр қыйлы илажлар процесси буған кирмейди.

☝️Өзбекстан Республикасында халықтың түрли миллет ҳәм диний конфессиялардың ўәкиллеринен ибарат екенлиги ҳәм мәжбүрий улыўма орта билимлендириў дүньялық характерге ийе екенлиги себепли менен оқыўшылардың мектеп формасына түрли дин және конфессиялар ҳәм түрли субмәдениятларға тийислилигин сәўлелендиретуғын элементлерди (ҳижаб, кипа, кашая, атанақ ҳәм басқалар) қосыўға жол қойылмайды.

⚠️ Оқыўшылардың мектепке формада келиўин тәмийинлеў ушын ата-аналар жуўапкер есапланады.

🔔 Мағлыўматты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

11 Jan, 05:34


⚡️Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң рәсмий Телеграм каналы

❗️Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң қысқа ҳәм анық түрдеги мазмун-мәнисиниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы исенимли дереги - Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң — Huqıqıy málimleme QR каналы арқалы танысып барыўыңызға болады.

☝️Соның менен бирге,
▫️“Сораў бериң жуўап беремиз”;
▫️“Билесиз бе?” хеш теги менен халқымыз ушын керекли болған ҳуқықый сораў-жуўаплар;
▫️пуқараларға нызамшылық ҳүжжетлери менен жаратылған жеңилликлер;
▫️зәрүр болған ҳуқықый мағлыўматлар;
▫️инфографикалар;
▫️роликлер менен танысып барыўыңыз мүмкин.

Каналымызды бақлап, ҳәр күни ҳуқықый жаңалықлардан биринши болып хабардар болып, ѳз ўақтында билип, ең керекли мағлыўматларға ийе болың. Ҳәр бир жаңалық сиз ҳәм жақынларыңыз ушын пайдалы болады!

Каналға ағза болыў👉https://t.me/huqiqiymalimleme

👇Нызамды билмеў жуўапкершиликтен азат етпейди...

Telegram | Facebook |Telegram |You tube

XALÍQ USHÍN ⚖️

11 Jan, 04:23


❗️Быйыл муғаллимлерге Malibu, Tracker, Onix, Equinox, Captiva 5T автомобиллери 30% басланғыш төлем менен 5 жылға бөлип төлеўге бериледи

☝️
Бул ҳаққында Бас министрдиң тапсырма хаты шыққан.

🔔 Мағлыўматты муғаллимлерге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

10 Jan, 14:52


⚡️Айлық, «отпускной», «декретный» ҳәм басқа төлемлерди жумыс бериўши кешиктирисе, ол кешиктирген ҳәр бир күн ушын «пеня» төлеўин еслетип қойың!

📑 Мийнет кодексиниң 253-статьясына бола, хызметкерлерге ис ҳақы төлеў ҳәр ярым айда бир мәртеден аз болыўы мүмкин емес. Яғный, айдың биринши ярымында айлықтың бир бөлеги, қалған ярымында қалған бөлеги төлениўи керек.

Усы кодекстиң 333-статьясына тийкар, жумыс бериўши ис ҳақыны, дем алыс пулын, мийнет шәртнамасы бийкар етилгендеги төлемлери ҳәм басқа хызметкерге төлениўи керек болған төлемлерди төлеў мүддетин бузған (кешиктирип атырған) жағдайда сол төлениўи керек болған ўақыттан баслап пуллар төленген күнге шекемги ҳәр бир кешиктирилген күн ушын пуллы компенсация («пеня») төлеўге мәжбүр.

💰Компенсацияның муғдары ҳәр күнге төлениўи керек болған пулдың 1,35% муғдарын қурайды. Мысалы, «отпуск» пулы 5 млн сум болса, ҳәр кешиктирген күни ушын «пеня» муғдары 67,5 мың сум болады.

❗️Итибар бериң, бул талап тек мәмлекетлик мәкемеге емес, ал «частный» мәкемеге де тийисли!

☝️Және бир итибарлы жери, айлық кешиккенде баслықтың айыбы бар ма жоқ па, парқы жоқ – бәрибир компенсация төлениўи шәрт.

📝 Егер Сизге кешиктирген күн ушын компенсация төлемей атырған болса бәнтлик, прокуратураға, әдиллик органларына ямаса судқа жазың!

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

10 Jan, 12:48


Телефонға келген қоңыраў арқалы пластиктеги пул шешип алынғаны ҳаққындағы хабар жалған хабар (фейк) - Орайлық банк

❗️Социаллық тармақларда тарқалып атырған “Қоңыраўға жуўап бердим ҳәм пулларымды жоғалттым” деген жалған хабарлар тарқалмақта.

☝️Орайлық банк тәрепинен бул хабар ҳақыйқатлыққа туўры келмейтуғынлығы айтылған.

⚠️Пластик картадағы пулды алдаўшылар егер телефоныңызға келген СМС кодты яки мобил қосымшадағы логин/паролди билсе ямаса зыянлы вирусты (көбинесе APK форматта) телефонда ашып алсаңыз өзлестирип алыўы мүмкинлиги тастыйықланған.

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

10 Jan, 11:50


⚡️2026-жыл 1-январдан баслап гербиш ислеп шығарыўшылар ушын жер ҳәм жер астынан пайдаланғаны ушын салықты 10 есеге арттырылыўы күтилмекте

❗️Президенттиң Пәрманы жойбарына тийкар, 2026-жыл 1-январдан баслап пискен ҳәм қам гербиш ислеп шығарыўда жер ҳәм жер астынан пайдаланғанлығы ушын салық ставкасы 10 есеге арттырылған ҳалда қолланылады.

☝️Бул өз гезегинде гербиш баҳасының қымбатлаўына алып келиўи мүмкин.

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

10 Jan, 11:34


❗️Tek búgin! 10-yanvar idea'da "Zor Bahalar"

🔥 LORETTO 6KG (6007BLDC-W) - 2 999 000 swm yamasa 249 917 sumnan 12 ayǵa
🔥 LG 6KG (F2J3NS0W) - 3 999 000 swm yamasa 333 250 sumnan 12 ayǵa
🔥 SAMSUNG 6,5KG (65AG4S21CELD) - 3 999 000 swm yamasa 333 250 sumnan 12 ayǵa
🔥 LG 7KG (F2J3HS8J) - 5 999 000 swm yamasa 499 917 sumnan 12 ayǵa

* Tovarlar modelleri kóp hám sanı sheklengen. Barlıq bahalar baslanǵısh tólemsiz kórsetilgen!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

10 Jan, 10:34


❗️1-марттан баслап мопед, скутер ҳәм электромотоциклди басқарыў ушын номер ҳәм «А» категориялы «права» болыўы шәрт

Министрлер Кабинетиниң 08.07.2024-жылдағы 393-санлы қарарына бола, 2025-жыл 1-марттан баслап конструктивлик тезлиги саатына 25 километр ҳәм оннан артық, бирақ 50 километрден аспайтуғын транспорт қуралларын (мопед, скутер) басқарыў ушын «А» категориядағы айдаўшылық гүўалығына ийе болыў талап етиледи.

➡️ Сондай-ақ, скутер, мопед ҳәм электромотоцикл айдаўшылары транспорт қуралларын 2025-жыл 1-мартқа шекем дизимнен өткериўи керек.

💰Скутер, мопед ҳәм электромотоцикллерди дизимнен өткериў 1 420 000 сумды қурайды. Соннан:
- 32 500 сум - электрон арза ушын;
- 562 500 сум - мәмлекетлик номер белгиси ушын;
- 262 500 сум - дизимге алыў гүўалығы (тех паспорт) ушын;
- 562 500 сум - дизимге қойыў ушын.

🪪 Соның менен бирге, «права» алыў ушын имтиханнан өтиў қәрежетлери 1 миллион сумды қурайды.

⚠️ 1-марттан баслап «номер»сиз ҳәм «А» категориялы «права»сыз мопед ҳәм скутерлерди басқарғанлар жуўапкершиликке тартылады.

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

10 Jan, 08:12


⚡️25 жыллық педагогикалық стажы бар педагогларға олардың маманлық категориясы аттестациядан өткерилместен бериледи

Министрлер Кабинетиниң 29.12.2023-жылдағы қарарына көре, педагогикалық жумысы бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп стажға ийе болған ҳәм де пенсияға шығыўына 5 жыл қалған педагог кадрларға олардың ийелеп турған маманлық категориясы (лаўазымы) аттестациядан өткерилместен бериледи.

☝️Аттестациядан өткерилместен маманлық категориясы берилетуғын педагоглардың толық дизими силтемедеги режениң 8-бәнтинде берилген: силтеме

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Jan, 15:43


🏆Қорақалпоғистон Республикаси ҳудудидаги умумтаълим мактаблари ўртасида танлов ўтказилади

Қорақалпоғистон Республикаси ҳудудидаги умумтаълим мактабларининг ўтган йили эришган ютуқларини муносиб тақдирлаш мақсадида "Йил мактаби - 2024" танлови ўтказилади!

Танловда умумтаълим мактаблари 2024 йилда амалга оширилган намунали ишлари, илғор тажрибалари, жамоат ишларидаги фаоллиги, директор ва директор ўринбосарлари фаолияти самарадорлиги нуқтаи назаридан баҳоланади.

"Йил мактаби - 2024" танлови 2025 йилнинг 10 февраль кунига қадар бир босқичда аҳоли фикрини йиғиш орқали ўтказилади.

Танловда ҳар томонлама яхши натижаларни кўрсатган деб топилган 3 та умумтаълим мактаби қимматбаҳо совғалар билан тақдирланади!

Шунингдек, танловда ўз фикрини билдирган юртдошларимиз учун ҳам алоҳида совғалар ажратилган!

Мактабга овоз бериш

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Jan, 14:41


⚡️Енди мийнет шәртнамалары электрон формада дүзиледи

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрдеги 891-санлы қарарына муўапық, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет шәртнамалары "Бирден-бир миллий мийнет системасы" уйымлараралық программалық-аппарат комплекси (БММС) арқалы электрон тәртипте дүзиледи.

✏️ Мийнет шәртнамалары жумыс бериўши тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм тәреплер арасындағы келисимге бола электрон санлы қол (ЭСҚ) жәрдеминде қол қойылады.

🔖 Қол қойылған электрон мийнет шәртнамасын хызметкер өзиниң Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы (my.gov.uz) жеке кабинетинен жүклеп алыўы мүмкин.

❗️БММСтен пайдаланыў, яғный усы арқалы мийнет шәртнамаларын электрон формада дүзиў, оларға өзгерис киргизиў, қағаз формадағы мийнет шәртнамаларын дизимнен өткериў мәмлекетлик шөлкемлер менен бир қатарда жеке меншик кәрханалар ушын да мәжбүрий есапланады.

🔔 Мағлыўматты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Jan, 10:27


⚡️1-январдан 50% лик үстеме қарақалпақ яки өзбек тили муғаллимине емес, ал Ана тили ҳәм әдебияты муғаллимине төленеди

💬 Муғаллимлер арасында усы 50% лик үстемени төлеў бойынша түсинбеўшиликлер келип шықпақта, айырымлар бул үстеме барлық тил оқытыўшыларына төленеди десе, басқалар тек ана тили ретинде өтилетуғын тиллер бойынша сабақ беретуғын муғаллимлерге төленеди дейди. Негизи кимлерге бериледи бул үстеме?

Президенттиң 2024-жыл 21-февралдағы ПП-37-санлы Пәрманына тийкарланып, 2025-жыл 1-январдан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде ана тили ҳәм әдебияты, тарийх пәнлеринен сабақ беретуғын және Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

❗️Ана тили ҳәм әдебияты пәни ушын берилип атырған усы жаңа үстеме муғдары оқыў белгили бир тилде алып барылып, усы тилди ана тили ҳәм әдебияты пәни ретинде өтип атырған педагогларға қолланылады.

☝️Яғный, бул 50% лик үстеме:
✔️оқыў қарақалпақ тилинде алып барылып атырған мектеплерде ана тили ретинде қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен;
✔️оқыў өзбек тилинде алып барылып атырған мектеплерде ана тили ретинде өзбек тили ҳәм әдебияты пәнинен;
✔️оқыў орыс тилинде алып барылып атырған мектеплерде ана тили ретинде орыс тили ҳәм әдебият пәнинен сабақ берип атырған муғаллимлерге төленеди.

💡Билимлендириў орыс ҳәм туўысқан тиллерде (өзбек, қазақ, түркмен ҳ.т.б.) алып барылатуғын мектеплерде қарақалпақ яки өзбек тили (мәмлекетлик тил) пәнинен сабақ берип атырған ҳәм тийисли миллий сертификатқа ийе педагоглар тек 20%лик үстеме алыўда даўам етеди.

🔔 Постты муғаллимлерге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Jan, 10:08


Servis­ning faoliyat geografiyasi mamlakat bo‘ylab 18 ta shaharni qamrab olmoqda. Endi Nukus shahri aholisi sevimli taomlarini restoranlardan tez va qulay yetkazib berish evaziga buyurtma qilishlari mumkin

Ushbu shaharda xizmatning hamkorlari qatoriga EVOS, Oqtepa Lavash, Feed Up kabi taniqli tarmoqlar, shuningdek, Caravan, Grand Lavash, Mj Lounge kabi mashhur mahalliy muassasalar qo'shildi. Platforma har bir iste’molchi o’ziga xush keladigan taomni tanlay olishi uchun hamkorlarining ro’yxatini kun sayin ko’paytirib bormoqda. Foydalanuvchilarni esa bugunoq Uzum Tezkor hamkorlaridan maxsus takliflar va aksiyalar kutmoqda.

Uzum Tezkor barcha shaharlarda yetkazib berish sifatini va tezkorligini saqlab turishga intiladi. Shuningdek, servis platforma va restoranlarda bir xil narxlarni belgilash pozitsiyasini ilgari surmoqda. Agar taom va mahsulotning narxi restoran yoki do'konda keltirilgan narxlarga nisbatan yuqori bo'lsa, foydalanuvchilar Uzum Tezkor qo'llab-quvvatlash markaziga menyu yoki narx yorlig'i fotosuratini jo’natgan holda murojaat qilishlari mumkin. Foydalanuvchilarga narxdagi farq summasiga keyingi buyurtma uchun chegirma taqdim etiladi.

Nukus shahri aholisi TEZ3 promokodidan foydalanib, birinchi uchta buyurtma uchun 20 000 so‘mgacha chegirma olishlari mumkin. Buyurtmalarni Uzum Tezkor ilovasi hamda, Uzum Market ilovasining Tezkor bo‘limi orqali amalga oshirish mumkin.

Batafsil

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Jan, 08:49


⚡️1-июлдан баслап кем тәмийинленген шаңарақлар сатып алған өними (хызмети) баҳасының 12% бөлегин 1 күнниң ишинде QR-кодын сканерлеп отырмастан қайтарып алыўы мүмкин

💰Президенттиң 18.07.2024-жылдағы ПҚ-267-санлы қарарына тийкар, 2025-жыл 1-июлдан баслап "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилген (кем тәмийинленген) пуқараларға товарларды (хызметлерди) сатып алыўда төленген қосымша қун салығы (12%) суммасы (кэшбэк) бир жумыс күнинде қайтарылады.

🪪 Бул 12% «кэшбэк» пуқараның атына ашылатуғын «Социаллық карта» арқалы қайтарылады.

☝️Бунда чектиң QR-кодын салық уйымларының арнаўлы мобил қосымшасында (soliq.uz) сканерлеў шәрт емес.

💡Мағлыўмат ретинде, Кем тәмийинленген шаңарақларға айырым сатып алған товарларының 12% пулы қайтарып бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Jan, 07:39


❗️Айырым ҳаял-қызлардың ижара төлеми мәмлекет есабынан қаплап бериледи

Президенттиң 07.03.2022-жылдағы ПП–87-санлы Пәрманына муўапық, турақ жайға мүтәж, квартирада ижара тийкарында жасап атырған ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға ижара ушын төлейтуғын айлық ижара төлеминиң 50%, бирақ 500 мың сумнан артық болмаған бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

💰Ижара төлемлерин қаплап бериў ушын Қарақалпақстан Республикасының бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлериниң қосымша дереклери есабынан керекли қаржылар ажыратып барылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Jan, 07:08


📣 Tek idea'da! "MEGA Usınıs":

💥Redmi Note 13 (6/128) - 99 000 sumnan
💥Redmi 14C (4/128) - 89 000 sumnan
💥Redmi 13 (6/128) - 119 000 sumnan
💥32" SONOR Smart Televizorlar - 69 000 sumnan
💥TECNO Spark 30C (4/128) - 89 000 sumnan
💥TECNO Spark Go1 (3/64) - 69 000 sumnan
💥Honor X7c (6/128) - 119 000 sumnan
💥Loretto 6kg Kir juwiw mashinalari - 139 000 sumnan
💥Ferre Gaz plita - 99 000 sumnan
💥Premier Xolodilnik - 99 000 sumnan ayiǵa*

*Baslanǵısh tólemsiz satıp alıwıńız múmkin!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Jan, 15:39


⚡️”Азарт ақыбети” киносын енди үйде отырып көриўге болады

Қарақалпақ кино дөретиўшилерниң ең жақсы киноларынан бири “Азарт ақыбети” киносын енди Youtube арқалы көриўге болады.

📺 Киноны көриў ушын мына силтемеге кириң!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Jan, 14:28


❗️Жәрийма ўақтында төленбесе, автотранспорт жәрийма майданына жайластырылады

🛃 Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 291-статьясына муўапық, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәрийма салыў ҳаққындағы қарар қабыл етилген күннен баслап бул жәрийма 60 күн ишинде төленбесе, жәрийма салыў ҳаққында қарар шығарған уйымның жазба көрсетпесине тийкар салынған жәрийма толық төленгенге шекем автотранспорт услап турылады.

🚔 Демек, алдын жол ҳәрекети қағыйдасын бузғанлық ушын салынған жәрийма 60 күн ишинде төленбеген болса, ЖҲҚ хызметкери буны анықлаған жағдайда, оны жәрийма майданына жайластырыўы мүмкин.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Jan, 12:40


⚡️Жергиликли бюджеттиң қосымша дереклеринен автотранспорт ҳәм қымбат мебеллер сатып алыў қадаған етилди

Президенттиң 25.12.2024-жылдағы ПҚ-455-санлы қарары менен төмендегилер қадаған етилди:

🔻республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының (Өзбекстан Республикасы дәрежесиндеги министрлик ҳәм мәкемелердиң) басқарыў хызметкерлери ис ҳақысын көбейтиў;

🔻Қарақалпақстан Республикасының бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дереклери есабынан хызмет автомобиллери (арнаўлы автомобиллерден басқа), қымбат баҳалы жумсақ мебеллер ҳәм офис қуралларын (билимлендириў, илим-пән, медицина, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында пайдаланылатуғын қураллардан басқа) сатып алыў.

💡Республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының дизими
мына жерде.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Jan, 10:34


❗️Енди пуқара бир банкте тек 5 данаға шекем пластик карта аштыра алады

📄Мәлим болыўынша, Орайлық банк тәрепинен "банклер тәрепинен бир физикалық шахсқа (бир ПИНФЛге) карталардың санын бир банкте 5 ке шекем, барлық банклерде 20 ға шекем эмиссия етиў мүмкин екенлиги" бойынша ўақыша тәртип ислеп шығылған.

💳Бунда карталардың шекленген саны виртуал ҳәм кобейджинг карталарын есапқа алған ҳалда белгиленген (бирақ, шет ел валютасында ашылған банк карталарына қолланылмайды).

🔖Бул тәртип хызмет шеңберинде пайдаланыў ушын болып, ол коммерциялық банклерге орынлаў ушын жиберилген.

⌛️Тәртиптиң әмел етиў мүддети 2025-жыл 1-январдан 31-декабрге шекем етип белгиленген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Jan, 10:15


📣 Tek idea'da! "MEGA Usınıs" baslandı:

💥32" SONOR Smart Televizorlar - 69 000 sumnan
💥Redmi 14C (4/128) - 89 000 sumnan
💥Redmi Note 13 (6/128) - 99 000 sumnan
💥Redmi 13 (6/128) - 119 000 sumnan
💥Honor X7c (6/128) - 119 000 sumnan
💥TECNO Spark 30C (4/128) - 89 000 sumnan
💥TECNO Spark Go1 (3/64) - 69 000 sumnan
💥Loretto 6kg Kir juwiw mashinalari - 139 000 sumnan
💥Ferre Gaz plita - 99 000 sumnan
💥Premier Xolodilnik - 99 000 sumnan ayina*

*Baslanǵısh tólemsiz satıp alıwıńız múmkin!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Jan, 09:19


⚡️Майыплық пенсиясын алыўшылардың пенсиясына жумыс стажына қарап қосымша пул қосылады

«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 37 ҳәм 49-статьяларына муўапық, I ҳәм II топар майыплық пенсиясы тайынланғаннан кейинги ислеген ўақыт пуқараның жумыс стажына қосып есапланады.

♻️ Бунда майыплық пенсиясы тайынланғаннан кейин кеминде 1 жыл жумыс стажына ийе болса, пуқараның арзасы тийкарында жумыс стажы ҳәм айлығы есапқа алынған ҳалда пенсия ҳәр еки жылда бир мәрте қайта есапланады.

☝️Яғный, пуқараның майыплық пенсиясына пенсия тайынланғаннан кейинги ислеген дәўириндеги алған айлығынан келип шығып қосымша пул қосылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Jan, 14:36


Мектеплерде муғаллимлерге қосымша ҳақылар қандай муғдарларда төленеди?

Улыўма билим бериў мәкемелериниң муғаллимлерине қосымша ҳақылар мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына (1 млн 155 мың сум) салыстырғанда процент есабында төмендеги муғдарларда әмелге асырылады:

🔸класс басшылығы ушын (кластағы оқыўшылар санына қарап):
15 оқыўшыға шекем304 920 сум (26,4%);
16 дан 20 оқыўшыға шекем – 364 980 сум (31,6%);
21 ден 25 оқыўшыға шекем – 426 195 сум (36,9%);
26 дан 30 оқыўшыға шекем – 486 255 сум (42,1%);
31 ҳәм оннан артық оқыўшы болғанда – 609 840 сум (52,8%);

🔸дәптерлерди ҳәм жазба жумысларды тексериў ушын (оқыўшылар еки топарға бөлинип оқытылатуғын пәнлер бойынша да) ажыратылған сабақ саатларына сәйкес түрде класстағы (класс-комплекттеги) оқыўшылар саны 15 ге шекем болғанда – 101 640 сум (8,8%), 15 ҳәм оннан артық болғанда – 203 280 сум (17,6%);

🔸информатика кабинети басшылығы ушын - 203 280 сум (17,6%);

🔸лаборатория ханасы бар болғанда, физика ямаса химия пәни муғаллимлеринен бирине577 500 сум (50%).

🔔 Мағлыўматты педагогларға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Jan, 13:32


Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы улыўма билим бериў мектеплериниң арасында таңлаў өткериледи

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы улыўма билим бериў мектеплериниң өткен жылы ерискен жетискенликлерин мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде «Жыл мектеби – 2024» таңлаўы өткериледи!

Таңлаўда улыўма билим бериў мектеплериниң 2024-жылы әмелге асырған үлгили жумыслары, алдынғы тәжирийбелери, жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги, директор ҳәм директор орынбасарларының жумысы өнимдарлығы көз қарасынан баҳа бериледи.

«Жыл мектеби – 2024» таңлаўы 2025-жылдың 10-февраль күнине шекем бир басқышта халықтың пикирлерин жыйнаў арқалы өткериледи.

Таңлаўда ҳәр тәреплеме жақсы нәтийжелерди көрсетти деп табылған 3 улыўма билим бериў мектеби қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады!

Сондай-ақ, таңлаўда өзиниң пикирин билдириўши ўатанласларымыз ушын да айрықша саўғалар ажыратылған!

Мектепке даўыс бериў

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Jan, 12:49


❗️Электрон сигареталар айланысы қадаған етилиўи мүмкин

Парламент додалаўына киргизилген нызам жойбарына бола, республика аймағында айырым түрдеги темеки өнимлериниң, темеки ҳәм никотинди пайдаланыў үскенелериниң, соның ишинде, электрон сигареталарды ислеп шығарыў, таярлаў, өткериў мақсетинде оларды сақлаў, тасыў ямаса өткериў қадаған етилмекте.

Сондай-ақ, бундай өнимлерди Өзбекстан аймағына алып кириў ямаса Өзбекстан аймағынан алып шығыўға байланыслы ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.

Нызам еле қабыл етилмеди.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Jan, 11:32


⚡️Мектеп оқытыўшыларына қандай үстеме ҳәм қосымша пуллар төленеди? (1-бөлим)

Мектеп оқытыўшылары ушын нызамшылықта бир қатар қосымша төлемлер бар болып, оларды бирме бир көрсетип өтемиз:

1. Президенттиң 11.01.2021-жылдағы ПҚ–4940-санлы қарарына тийкар:
▫️бир ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер шеңберинде басқа район ҳәм қалалардан келип ислейтуғын оқытыўшылардың базалық тариф ставкасына 50%;
▫️ басқа ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерден (ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан) келип ислейтуғын оқытыўшыларға базалық тариф ставкасына 100% үстеме.

2. Президенттиң 19.05.2021-жылдағы ПҚ–5117-санлы қарарына тийкар:
▫️ кеминде С1 дәрежедеги миллий яки оған теңлестирилген халық аралық сертификатқа ийе шет тиллер (англичан, француз, немис, испан, итальян, араб, қытай, япон, корейс, түрк, парсы, пушту, дари, урду, ҳинд) оқытыўшыларын олардың уларнинг базалық тариф ставкасына 50% үстеме.

3. Президенттиң 03.05.2019-жылдағы ПҚ–4306-санлы қарарына тийкар:
▫️ халық аралық олимпиадалар жеңимпазлары таярлаған оқытыўшылар ҳәм мектеплердиң директорларына нәўбеттеги оқыў жылы ушын директор фондынан алтын, гүмис ҳәм бронза медаллары ушын тийислилиги бойынша 150, 175 ҳәм 200% үстеме;
▫️Мектепте оқытыўшы болып ислеп атырған:
халық аралық олимпиадалар жеңимпазлары лаўазым айлығына 150%;
тийкарғы олимпиадалар республика басқышы жеңимпазлары лаўазым айлығына 100%;

4. Президенттиң 01.04.2010-жылдағы ПҚ–1315-санлы қарарына тийкар:
▫️ аўыллық жерлердеги мектеплерде дене тәрбиясы оқытыўшысы ҳәм спорт устазы болып ислеп атырған ҳаяллардың тариф ставкасына ҳәр айда 15; үстеме;

5. Президенттиң 11.05.2022-жылдағы ПП–134-санлы қарарына тийкар:
▫️ халықаралық стандартлар талапларына жуўап беретуғын миллий баҳалаў системасында сертификатқа ийе болған педагог кадрларға – олардың тариф ставкасының 50% үстеме;

6. Ҳүкиметтиң 02.08.2022-жылдағы 425-санлы қарарына тийкар:
▫️ кәсиплик шеберликти баҳалаў бойынша өткерилген тест ҳәм сәўбет нәтийжелерине көре ең жоқары балл топлаған маман кадрларға МҲТЕКМның 5,5 есеси (5,7 млн сум) муғдарында үстеме;

7. Ҳүкиметтиң 12.10.2021-жылдағы 638-санлы қарарына тийкар:
▫️ инклюзив билимлендириў класлары оқытыўшыларына мийнеттиң айрықша шараятлары ушын ҳәр айда төленетуғын үстеме ҳақы кластағы ҳәр бир айрықша билимлендириў мүтәжликлери болған бир бала ушын лаўазым айлығының 10%-40% шекем үстеме

8. Ҳүкиметтиң 07.06.2019-жылдағы 471-санлы қарарына тийкар:
▫️ алыс аймақлардағы мектеплерде басқа аймақлардан келип ислеп атырған педагоглардың базалық тариф ставкаларына жумыс стажынан келип шығып 10%-50% шекем үстеме.

🔔 Мағлыўматты педагогларға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Jan, 11:14


📣 Tek idea'da! "MEGA Usınıs" baslandı:

💥32" SONOR Smart Televizorlar - 69 000 sumnan
💥Redmi 14C (4/128) - 89 000 sumnan
💥Redmi Note 13 (6/128) - 99 000 sumnan
💥Redmi 13 (6/128) - 119 000 sumnan
💥Honor X7c (6/128) - 119 000 sumnan
💥TECNO Spark 30C (4/128) - 89 000 sumnan
💥TECNO Spark Go1 (3/64) - 69 000 sumnan
💥Loretto 6kg Kir yuvish mashinalari - 139 000 sumnan
💥Ferre Gaz plita - 99 000 sumnan
💥Premier Holodilnik - 99 000 sumnan ayiǵa*

*Baslanǵısh tólemsiz satıp alıwıńız múmkin!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Jan, 09:35


⚡️2025-жыл 1-январдан баслап бәнтлик уйымлары хызметкерлери ушын ҳәр айлық үстеме енгизилди

Президенттиң 25.12.2024-жылдағы ПҚ-455-санлы қарары менен Президенттиң 04.10.2024-жылдағы ПҚ-347-санлы қарарына 7-қосымша 2-бәнтине киргизилген өзгериске көре:

💰«Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы аймақлық бөлинбелери (басқармалары) ҳәм район (қала) бөлимлери хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 09.01.2017-жылдағы «Мәмлекетлик басқарыў аймақлық уйымларының жумысын еледе жетилистириў ҳәм хызметкерлерин материаллық хошаметлеўди күшейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2722-санлы қарарының 1-бәнти екинши абзацында көрсетилген ҳәр айлық үстемелер қолланылады».

☝️Яғный, Президенттиң ПҚ-347-санлы қарарының 7-қосымшасында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлерин хошаметлеў шәртлери белгиленген болып, оған және бир хошаметлеў түри (ҳәр айлық үстемелер) киргизилди.

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Jan, 06:33


⚡️Муғаллимлерге нызамшылықта қандай жеңилликлер белгиленген?

🔘"Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп" таңлаўының жеңимпазы болған мектепке 500 млн сум бериледи.

🔘Инклюзив класс муғаллимлерине 40 процентке шекем үстеме бериледи.

🔘Алыс аймақларда сабақ берип атырған муғаллимлерге 50 процентке шекем үстеме бериледи.

🔘Математика, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшыларға ақшалай сыйлық бериледи.

🔘Көп жыллық стажға ийе педагоглар мәжбүрий аттестацияга тартылмайды.

🔘Халық аралық пән олимпиадаларын таярлаған оқытыўшыларға қәнигелик категориясы аттестациясыз бериледи.

🔘Республика пән олимпиадасы жеңимпазларын таярлаган муғаллимлердиң маманлық категориясы бир басқышқа арттырылады.

🔘Медицина тараўы профессор-оқытыўшыларына емлеў-диагностика жумысларын орынлағаны ушын қосымша ҳақы төленеди.

🔘Билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери пәнлери муғаллимлерине айлық үстемелер бериледи.

🔘Оқытыўшылардың жумысына араласқаны ушын жуўапкершилик бар.

☝️Ҳәр бир жеңиллик бойынша толық мағлыўмат тексттеги көк реңли силтемеде.

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Jan, 04:44


⚡️Енди магистратураға қосымша қабыллаў квотасы тийкарында оқыўға киргенлерге де тәлим кредити берилмейди

🚫 Президенттиң 25.12.2024-жылдағы ПҚ-455-санлы қарарына көре, билимлендириў шөлкеминде оқыў ушын «супер-контракт»ты ҳәм «супер-контракт»тың минимал муғдарына тең болған бир мәртелик басқа төлемлерди, сондай-ақ мәмлекетлик ЖООларының магистратурасына қосымша қабыллаў параметлери тийкарында оқыўға қабыл етилген абитуриент ҳәм студентлердиң төлемли-контракт төлемлерин әмелге асырыў ушын тәлим кредитин ажыратыўға жол қойылмайды.

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Jan, 03:03


⚡️Бүгинги күндеги айырым әҳмийетли санлар

💰Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары ( МҲЕКМ) - 1 млн 155 мың сум;

💰Базалық есаплаў муғдары (БЕМ) - 375 мың сум;

💰Пенсияны есаплаўдың базалық муғдары - 428 мың сум;

💰Жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары - 834 мың сум;

💰Майыплық пенсияларының ең кем муғдары - 920 мың сум;

💰Минимал тутыныў қәрежетлериниң баҳасы - 648 мың сум;

💰Мәмлекетимизде төленип атырған орташа айлық мийнет ҳақы муғдары 5,2 млн сумды қурайды.

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

05 Jan, 13:50


❗️Быйыл оқыўға тапсыратуғын абитуриентлер дыққатына!

Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен 2025/2026-оқыў жылы ушын бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм оларға сәйкес тест сынағы (профессионал (дөретиўшилик) имтихан) тапсырылатуғын пәнлер комплекси тастыйықланды.

🎓Оған бола, юриспруденция бағдарына оқыўға кириў ушын ҳуқықтаныў пәнлери ҳәм шет тили бойынша имтихан тапсырылады.

☝️Толық дизим файлда.

🔔 Мағлыўматты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

05 Jan, 10:42


Муғаллимлерге берилген айырым жеңиллик түрлери

✔️1-октябрь "Муғаллимлер ҳәм устазлар күни" деп белгиленген ҳәм бул күн байрам (дем алыс) күни есапланады.

✔️Балаларға тәлим-тәрбия беретуғын барлық педагог хызметкерлер турақлы түрде бийпул медициналық тексериўден өткериледи.

✔️Педагоглар ушын 56 күнлик жыллық ҳақы төленетуғын узайтирилган дем алыс бериледи.

✔️Педагог хызметкерлер ушын жумыс ўақтының даўамлылығы ҳәптесине 36 сааттан көп болмайды.

✔️Мектеп муғаллимлерине хызметти баҳалаў критериялары тийкарында 10 проценттен 40 процентке шекем, китапханашы ҳәм психологларга 10 проценттен 20 процентке шекем үстеме белгиленеди.

✔️Пән олимпиадасы жеңимпазын таярлаған оқытыўшылар хошаметленеди.

✔️Муғаллимлер аўырып қалганда материаллық жәрдем бериледи.

✔️Олимпиада жеңимпазы болған муғаллимлерге 150 процентке шекем үстеме бериледи.

✔️Өзи сабақ беретуғын пән бойынша халықаралық тән алынған ҳәм миллий сертификатқа ийе болған муғаллимлерге олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

☝️Ҳәр бир жеңиллик бойынша толық мағлыўмат тексттеги көк реңли силтемеде.

🔔 Постты муғаллимлерге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Jan, 14:47


⚡️Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы улыўма билим бериў мектеплериниң арасында таңлаў өткериледи

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы улыўма билим бериў мектеплериниң өткен жылы ерискен жетискенликлерин мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде «Жыл мектеби – 2024» таңлаўы өткериледи!

Таңлаўда улыўма билим бериў мектеплериниң 2024-жылы әмелге асырған үлгили жумыслары, алдынғы тәжирийбелери, жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги, директор ҳәм директор орынбасарларының жумысы өнимдарлығы көз қарасынан баҳа бериледи.

«Жыл мектеби – 2024» таңлаўы 2025-жылдың 10-февраль күнине шекем бир басқышта халықтың пикирлерин жыйнаў арқалы өткериледи.

Таңлаўда ҳәр тәреплеме жақсы нәтийжелерди көрсетти деп табылған 3 улыўма билим бериў мектеби қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады!

Сондай-ақ, таңлаўда өзиниң пикирин билдириўши ўатанласларымыз ушын да айрықша саўғалар ажыратылған!

Мектепке даўыс бериў

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Jan, 13:50


⚡️Быйыл мектеп билимлендириўи тараўында болатуғын өзгерислер (1️⃣-бөлим)

Нызамшылыққа бола:

▫️2025-жыл 1-мартқа шекем - баслаўыш, орта ҳәм жоқары класс оқыўшыларының жас категориясы бойынша ҳәрекетшең ойынлар, олимпиада ҳәм ғалабалық спорт түрлерине үстинлик бериў арқалы спорт түрлериниң дизими қәлиплестириледи;

▫️2025-жыл 1-марттанмузыка мәденияты пәни муғаллимлери ушын теориялық ҳәм әмелий билимлендириў тийкарында қәнигелигин арттырыў системасы жолға қойылады;

▫️2025-жыл 1-апрелден – мектеплерде "Иқтидор" ҳәўескерлер көркем жәмәәтлери шөлкемлестирилип, командалар арасында "Қәбилет мектеп ансамбли" республикалық таңлаўы өткериледи;

▫️2025-жыл 1-июннан - улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде жасларды шақырыўға шекем таярлаў басшысы лаўазымы енгизиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Jan, 11:30


⚡️1-июлдан баслап бағшалардағы бир қатар ҳүжжетлер "Балалар бақшасы" электрон мәлимлеме системасы арқалы жүргизиледи

Министрлер Кабинетиниң 18.12.2024-жылдағы 848-санлы қарарына тийкар, 2025-жыл 1-февралдан баслап тәжирийбе-сынақ ретинде Ташкент қаласындағы, 2025-жыл 1-июлдан баслап барлық мәмлекетлик бағшаларда төмендегилер "Балалар бақшасы" электрон мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады:

✔️тәрбияланыўшылардың қатнаўы;

✔️тәрбияланыўшылардың азық-аўқаты қәрежетлерин есаплаў;

✔️хызметкерлердиң жумысқа келип кетиўи;

✔️жумыс ўақты табелин қәлиплестириў;

✔️ата-аналар төлеми ҳәм басқа төлемлер.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Jan, 09:17


⚡️Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерине берилетуғын үстеме бийкар етилди

❗️Президенттиң 25.12.2024-жылдағы ПҚ-455-санлы қарарына 9-қосымша 14-бәнтине муўапық, Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 28-декабрдеги "Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў қоры ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында"ғы 779-санлы қарары 2025-жыл 1-январдан өз күшин жойтқан.

Демек, 2025-жыл 1-январьдан баслап Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў қоры есабынан пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ҳақыларына ҳәр айлық үстеме төленбейди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Jan, 07:22


❗️2025-жылы жер салығы ставкалары 10% ке көтерилген

💰Қарақалпақстан Республикасы ушын пуқаралардан аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары ушын (турақ жай қурыўға ажыратылған, қыйтақ жер ҳ.т.б.) өндирилетуғын жер салығының базалық ставкасы 1 кв.м. ушын 352 сум етип белгиленген.

📄Сондай-ақ, бул муғдар Жоқарғы Кеңес тәрепинен 0,5 тен 2 ге шекемги коэффициентке ҳәм район (қала) халық депутатлары кеңеслери тәрепинен 0,7 тен 3 ке шекемги коэффициентке кемейтирилиўи яки арттырылыўы мүмкин.

☝️Соннан келип шығып жер салығының анық ставкасы районлар ҳәм қалалар халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен салық уйымларына 10-январға шекем бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Jan, 05:47


❗️Майыплығы болған шахслардың дәраматларының бир бөлеги салықтан азат етиледи

Нызамшылыққа бола, балалықтан майыплығы болған шахслар, соның менен бирге I ҳəм II топар майыплығы болған шахслар мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси муғдарындағы (3345000 сум) дəраматларының бир бөлеги салық салыўдан азат етиледи.

📑 Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медициналық-социаллық эксперт комиссиясының мағлыўматнамасы тийкарында бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Jan, 04:42


⚡️Енди шет тили сертификатына ийе болған мәмлекетлик уйым хызметкерлерине 20% үстеме төленбейди

Президенттиң 25.12.2024-жылдағы ПҚ-255-санлы қарары менен Президенттиң 19.05.2021-жылдағы ПҚ-5117-санлы қарарының 7-бәнтиниң 3-абзацы өз күшин жойтқан деп табылған.

☝️Тап усы абзацта 01.01.2022-жылдан баслап шет тиллеринен сертификатқа ийе болған мәмлекетлик басқарыў уйымларының хызметкерлерине лаўазым айлығына 20% лик үстеме төлениўи белгиленген еди.

❗️Демек, бул үстеме енди бийкар етилди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Jan, 14:33


❗️Ертең барлық хызметкерлер ушын жумыс күни

Президенттиң 2024-жыл 24-декабрдеги ПҚ-452-санлы қарары менен 2025-жылы бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күни 4-январь - шемби күнинен 2-январь - пийшемби күнине көширилди.

☝️Соған көре, ертең - 2025-жыл 4-январь (шемби) күни бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын да жумыс күни есапланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Jan, 13:15


⚡️Енди Россия полиция хызметкерлери мигрантлар жасайтуғын турақ жай ҳәм басқа имаратларға тосқынлықсыз кириў ҳуқықына ийе болады

"ТАСС"тың хабар бериўинше, бул қағыйдалар усы жылдың 5-март сәнесинен баслап күшке киретуғын нызамда нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, полиция коммерциялық, банк, салық ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа сырларды қурайтуғын мағлыўматлар және ҳүжжетлерди сорап алыўы мүмкин.

Бул Россияда ислеп жүрген сырт ел пуқараларының есап бетлериндеги пул қаржылары ҳаққындағы мағлыўматларды алыў ушын керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Jan, 10:25


⚡️Район банклери филиалларында «мәкан банкири» лаўазымы енгизилип, олар халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге жуўапкер болады

Президент жанында өткерилген жыйналыста 2025-жыл 1-февралға шекем район банклери филиалларында мәканлар менен ислесиў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға «мәкан банкирлери» тайынланыўы белгиленди.

Сондай-ақ, ҳәр бир мәканда олар менен бирге ислейтуғын «жәрдемши-агентлер» сайлап алынады.

Аймақлық банклер ҳәм район ҳәкимликлери халықты таяр бизнес жойбарлар менен таныстырып барады, оларды әмелге асырыў көнликпелерин үйретеди.

“Online-mahalla.uz”, “bank-kredit.uz” ҳәм “soliq.uz” мәлимлеме системалары интеграция етилип, жуўапкерлерге жүкленген ўазыйпалар күнлик таллап барылады. Жумысы қанаатландырарсыз болған басшыларға шара көриледи.

2025-жылы барлығы болып 5 миллион 200 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў жобаластырылған.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Jan, 10:10


📣 Tek Búginnen! Smartfonlarǵa " MEGA Usınıs" idea'da baslandı:

💥Redmi 14C (4/128) - 89 000 sumnan
💥Redmi Note 13 (6/128) - 99 000 sumnan
💥Redmi 13 (6/128) - 119 000 sumnan
💥Honor X7c (6/128) - 119 000 sumnan
💥TECNO Spark 30C (4/128) - 89 000 sumnan
💥TECNO Spark Go1 (3/64) - 69 000 sumnan ayiǵa*

*Baslanǵısh tólemsiz satıp alıwıńız múmkin!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Jan, 06:50


☝️Суд процесиндеги гуманизм приципиниң жоқарғы көриниси

Американың Провиденс қаласы судьясы болған Фрэнк Каприо 96 жасар ғаррыны жәриймадан азат еткен. Себеби ғарры өзиниң 63 жасар майыплығы бар баласын емлетиўге алып баратырғанда машинасының тезлигин арттырыўға мәжбүр болған.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Jan, 05:05


⚡️Енди исбилерменлер ҳәм юридикалық шахслар «свет» ҳәм газды артықша пайдаланғаны ушын 2 есе емес, ал 20% көбирек пул төлейди

💰Исбилерменлик субъектлери ҳәм басқа юридикалық шахслар электр энергиясы ҳәм газ лимитинен 20% ке шекем артықша пайдаланса, тариф ставкасы бойынша төлейбереди. Егер артықша пайдаланыў муғдары 20% тен артық болса, тариф ставкасы 20% ке қымбатлайды.

☝️Алдын исбилерменлер лимиттен 10% артық пайдаланса, тариф ставкасы еки есеге қымбатлар еди.

❗️Бул өзгеристиң пуқараларға тәсири жоқ.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Jan, 03:20


❗️4-январдан баслап барлық ҳәмелдарлар мийнет дем алысына шығады

Мағлыўматларға қарағанда, барлық мәмлекетлик мәкемелер басшылары, министрлер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери 2025-жыл 4-январдан баслап басқышпа-басқыш қысқа мүддетли мийнет дем алысына шығады.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

02 Jan, 14:40


❗️Дем алыс тамам! Ертең барлық хызметкерлер ушын жумыс басланады

Президенттиң 2024-жыл 24-декабрдеги ПҚ-452-санлы қарары менен 2025-жылы бес күнлик жумыс ҳәптелигинде ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күни 4-январь - шемби күнинен 2-январь - пийшемби күнине көширилди ҳәм алты күнлик жумыс ҳәптелигинде ислейтуғын хызметкерлер ушын 2-январь пийшемби қосымша дем алыс күни етип белгиленди.

☝️Соған көре, 2025-жыл 3-январь (жума) күнинен жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан барлық хизметкерлер ушын жумыс күни.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

02 Jan, 11:59


Январьдан нызамшылықта нелер өзгермекте?

Айырым билимлендириў шөлкемлери коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи;

Букмекерлик хызметин әмелге асырыўға руқсат етиледи;

Басым ҳәм зорлықты әмелге асырыўға бейим болған шахслардың реестри жүргизиледи;

Халықтың бирден бир электрон реестри енгизиледи;

subsidiya.mf.uz платформасында исбилерменлерге берилетуғын қоллап-қуўатлаўлардың реестри жүргизиледи;

Жынаят ислери бойынша район, қала судларында тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи;

Халық ҳәм мәмлекет хызметкерлериниң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлери арттырылады;

Майыплығы болған шахсларға қолайлы ҳәм тосықларсыз орталық жаратылады;

Пуқаралар қабыллаўы ҳәм қабыллаўларды өткериўде мәжбүрий түрде сурдо аўдармашының қатнасыўы тәмийинленеди;

Ғалабалық аўқатланыў кәрханаларына пайда салығының ставкасы 50%ке кемейтиледи;

Айырым жер участкалары бойынша салық ставкасы 50%ке кемейтиледи;

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң фонды есабынан бағшалардың басшы ҳәм педагоглары хошаметленеди;

Бағшаларда инклюзив билимлендириў топарлары ашылады;

«Ишга марҳамат» моноорайларында жумыс бериўшилердиң талабына тийкарланып курслар шөлкемлестириледи;

Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларға үй-жай шәраятларын жақсылаў ушын социаллық жәрдем көрсетиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

02 Jan, 10:17


⚡️2025-жылдан баслап бағша директоры орынбасары лаўазымы енгизиледи

Президенттиң Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-январдан баслап мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшы-методист лаўазымының негизинде әмелдеги мийнетке ҳақы төлеў шәртлери сақланған ҳалда мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң директоры орынбасары лаўазымы енгизиледи.

☝️Демек, бағша директоры орынбасары лаўазымы хәзирги тәрбияшы-методист лаўазымының орнына енгизиледи ҳәм сол лаўазымның айлығы төленеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

02 Jan, 09:51


❗️Tek BUGUN! 2-Yanvar kúni idea'da Televizorlarǵa "Bayram Shegirmeleri"

📣 SONOR 32" Smart TV (100S)
2 376 000 999 000 swm yamasa 83 250 sumnan 12 ayǵa*

*Televizorlardi baslanǵısh tólemsiz satıp alıwıńız múmkin!

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

02 Jan, 06:31


«Права» ушын қанша пул төленеди?

💰Министрлер Кабинетиниң 04.05.2021-жылдағы 271-санлы қарарына тийкар, миллий айдаўшылық гүўалығын бериў, алмастырыў ҳәм жойтылғаны орнына тазасын бериў ушын төмендеги муғдарларда жыйым өндириледи:

✔️биринши рет миллий айдаўшылық гүўалығын алыў – БЕМның 70% (262500 сум);

✔️бурынғы айдаўшылық гүўалығын тазасына алмастырыў – БЕМның 70% (262500 сум);

✔️жойтып алынған айдаўшылық гүўалығы орнына тазасын алыў – БЕМның 100% (375000 сум).

📨 Пуқара қәлесе айдаўшылық гүўалығын почта арқалы үйине алып келиўге буйыртпа бериўи де мүмкин. Буның ушын пуқара арзада почта арқалы алыўын көрсетиўи керек болады. Бунда почта қәрежети пуқара тәрепинен төленеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

01 Jan, 16:51


⚡️Бүгиннен баслап айырым ҳуқықбузарлықлар ушын жәрийма ҳәм жазалар бийкар етиледи

Президенттиң 14.11.2024-жылдағы ПП-184-санлы Пәрманына көре, 2025-жыл 1-январдан баслап:

✔️пуқараларға исбилерменлик пенен жеке исбилермен ретинде дизимнен өтпестен шуғылланығы ушын жәрийма салынбайды;

✔️фискал белгилерин көрсетиў тәртибин бузыў жуўапкершиликке себеп болмайды;

✔️мәжбүрий санлы маркировкаланыўы белгиленген товарларды (өнимлерди) идентификациялаў қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў тәртибин бузыў ушын жуўапкершилик бийкар етиледи;

✔️хызметкерлер санын жасырыў жуўапкершиликке себеп болмайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

01 Jan, 12:34


⚡️Суў хожалығы министрлиги системасы хызметкерлериниң айлықлары көтерилип атыр

Министрлер Кабинетиниң 07.10.2024-жылдағы 645-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм оның системасындағы шөлкемлер хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм оларды материаллық хошаметлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған.

💰 Бул режеге тийкар, 2025-жыл 1-январдан баслап хызметкерлерге көп жыллық мийнети ушын қосымша ҳәр айлық үстеме төленеди. Бул үстемениң муғдарлары хызметкерлердиң мийнет стажынан келип шығып белгиленеди (толық мағлыўмат фотода).

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

01 Jan, 12:14


❗️Tek 1 kún! 2-Yanvar kúni idea'da Televizorlarǵa "Bayram Shegirmeleri"

📣 SONOR 32" Smart TV (100S)
2 376 000 999 000 swm yamasa 83 250 sumnan 12 ayǵa*

*Televizorlardi baslanǵısh tólemsiz satıp alıwıńız múmkin!

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

01 Jan, 09:57


⚡️Быйыл мәденият хызметкерлериниң айлықлары 35% ке көтериледи

💵 Президенттиң 22.11.2024-жылдағы ПҚ-400-санлы қарарына тийкар, мәмлекетлик мәденият, көркем-өнер, мәлимлеме-китапхана ҳәм музейлер тараўында ислеп атырған хызметкерлердиң ис ҳақы муғдарлары төмендеги сәнелерден көтериледи:

✔️2025-жыл 1-январдан баслап - 20% ке;

✔️2025-жыл 1-июлдан баслап - және 15%ке.

📊 Бунда хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў системасы енгизиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

01 Jan, 05:42


Президент Ш.Мирзиёев 2024-жылы ең көп барған аймақ Ташкент қаласы, ал ең көп барған сырт мәмлекет Россия Федерациясы болыпты.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

31 Dec, 18:32


🎄 Әзиз ўатанласлар!

🔔Сизлерди кирип киятырған Жаңа 2️⃣0️⃣2️⃣5️⃣-жыл менен қутлықлаймыз.

🏡 Жаңа жыл Сизиң шаңарағыңызға мол ырысқы-несийбе, жумысларыңызға тасқын табыслар алып келсин.

🔔 Жақынларыңызды қутлықлап койың!

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

31 Dec, 16:05


Каналымыз ушын 2024-жыл үлкен өсиў жылы болды!

🏆
Өзбекстандағы Ҳуқық каналлары рейтингинде 8-орынға көтерилди.
👤Ағзаларымыз саны 30 мыңнан зыятқа өсти.
👁️Көриўлер 10 есе өсти.
👍Реакциялар 12 есеге көбейди.
📲Бөлисиўлер 11 есеге өсти.

☝️Мине тап сондай ҳәр бир ўатанласымыздың өмиринде де өтип баратырған жыл өзине жараса қуўанышлы демлерди қалдырды деп ойлаймыз!

🙏Табысларыңыз кейинги жылы буннан да көбирек болсын әзийзлер!

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

31 Dec, 11:04


⚡️Енди пуқаралар 3 еселенген салық төлеп отырған жерлерин аукционсыз атына өткерип алыўы мүмкин

💰Салық кодексиниң 437-статьясы бойынша жер участкаларынан ҳүжжетилерсиз ямаса ҳүжжетинде көрсетилгенинен артықша жерди ийелеп отырған пуқаралар жер салығын 3 еселенген ставкада төлейди.

Қабыл етилген Нызамға тийкар, енди пуқаралар 2018-жыл 1-майға шекем ҳүжжетлерде көрсетилген жер участкасы майданынан артықша ийелеген жер участкасын ҳәм сол жерге қурылған имаратлар менен қурылмаларды атына өткерип алыўы мүмкин.

🔰Бунда артықша жер участкасы ҳүжжеттеги жерди қосқанда 01.07.1998-жылға шекем ийеленген болса – 0,24 гектарға шекем, 01.07.1998-жылдан 01.05.2018-жылға шекем ийеленген болса – районларда 0,12 гектарға, Нөкис қаласында – 0,06 гектарға шекем ҳүжжетлестирилиўи мүмкин.

❗️Яғный, пуқаралар өзлериниң ҳүжжети бар жерине қосымша ийелеп отырған жер участкасын жоқарыдағы муғдарлар шеңберинде ҳүжжетлестиреди.

☝️Егер артықша ийелеген жер участкасы жоқарыдағы нормалардан көбирек болса, онда бул жерлер сол пуқараларға дийқан хожалығын ямаса қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын аукционсыз бериледи.

⚠️ Демек, районларда пуқаралар тәрепинен ҳүжжетлеринде көрсетилген жеринен тысқары улыўма майданы 0,24 гектардан көбирек ийелеп отырған жер участкаларын усы Нызам тийкарында дийқан хожалығы яки қыйтақ жер хожалығы етип атына аукционқа қойдырып отырмастан ҳүжжетлестирип алыўы мүмкин. Алдын артықша жерлерди тек аукцион арқалы алыуға болатуғын еди.

Атына ҳүжжетлестирип алғаннан кейин пуқаралар бул жерлери ушын жер салығын 3 еселенген муғдарда төлемейди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

31 Dec, 09:11


⚡️Қарақалпақстандағы шаңарақларға жылына бир мәрте берилетуғын 1 млн сумға шекем муғдарда материаллық жәрдем кимлерге ҳәм қандай тәртипте бериледи?

🔰Министрлер Кабинетиниң 30.03.2017-жылдағы 165-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын жәрдемди тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған.

Режеге тийкар:

👉 жәрдем пул пуқаралардың өзин өз басқарыў уйымы (МПЖ, АПЖ, ППЖ) тәрепинен тайынланады;

👉 жәрдем пулдың муғдары Президенттиң 30.12.2020-жылдағы ПҚ-4939-санлы қарары менен 434000 сумнан 1085000 сумға шекем етип белгиленген;

👉 жәрдем пулдың анық муғдары мүтәж шаңарақтың жағдайынан келип шығып белгиленеди;

👉 жәрдем пулы шаңараққа берилгеннен кейин оны қайта алыў ушын бир жыл өткеннен кейин мүрәжат етиўи мүмкин.

❗️Жәрдем пулы биринши нәўбетте төмендеги бериледи:

✔️өзгелер күтимине мүтәж болған жалғыз пуқаралар ҳәм пенсионерлерге, жумысқа жарамсызларға ҳәм жумысқа жарамлы шаңарақ ағзасы болмағанларға, бағыўшысы майыплығы болған шахс болған шаңарақларға;

✔️I топар майыплығы болған шахс ямаса аўыр кеселликке шатылған (улыўма яки жетерли болмаған дәрежеде өзине күтим етиў имканы болмаған, жумыс ислей алмайтуғын) пуқараларға;

✔️өлим ақыбетинде бирден бир бағыўшысын жойтқан шаңарақларға (3 ай даўамында);

✔️майыплығы болған бала ямаса I яки II топар майыплығы болған шахс болған ямаса көп пул талап етилетуғын операция яки узақ ўақыт (5 айдан көп) емлениў зәрүр болған аўыр кеселликке шатылған басқа шаңарақ ағзасына қарап турған толық болмаған шаңарақтың ата-аналарына (шаңарақ ағзасына);

✔️ата-аналарынан бири I яки II топар майыплығы болған шахс болған, екиншиси болса жумыс ислемей атырған ҳалда наўқасқа қараўға мәжбүр болған ямаса еки ата-ана да I яки II топар майыплығы болған шахс болған еки ҳәм оннан артық перзентлери бар шаңарақларға.

📝Жәрдем пулды алыў ушын пуқаралардың өзин өз басқарыў уйымына (МПЖ, АПЖ, ППЖ) арза менен тийисли ҳүжжетлерди қосып бериў керек.

💰Жәрдем пулы пуқара арза берген айдан кейинги айдың 25-сәнесине шекем төлеп бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

31 Dec, 04:27


❗️Россияда ўақытша жумыс ислеп атырған жерлеслеримиз ушын әҳмийетли хабар

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин тәрепинен 30-декабрь күни қол қойылған Пәрманға бола, Россияда нызамсыз болып турған сырт ел пуқаралары (атап айтқанда жерлеслеримиз) 2025-жылдың 30-апрель сәнесине шекем мәмлекеттен шығып кетиўи ямаса ҳуқықый жағдайын тәртипке салыўы шәрт.

Бул талап нызамлы түрде қалыўды қәлеген шахсларға қолланылмайды.

❗️Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги 2025-жылдың январь айынан баслап Россияда жумыс ислеп атырған, бирақ, ҳүжжетлеринде кемшилиги болған барлық ўатанласларымызға ҳуқықый, әмелий жәрдем көрсетиўге таяр. Бул мәселе бойынша өз алдына топар жумыс алып барады.

Ҳүжжетлерди рәсмийлестириў процесслери ҳаққында қосымша хабар бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

30 Dec, 15:08


⚡️Артемия цисталарын териўшилер де енди өзин өзи бәнт етип пенсия стажын жыйнаўы мүмкин

Президенттиң 27.12.2024-жылдағы ПП-229-санлы Пәрманы менен өзин өзи бәнт етиў арқалы шуғылланыўы мүмкин болған жумыслар дизимине “артемия цисталарын жыйнаў ҳәм тапсырыў” жумысы киргизилди.

☝️Демек, енди артемия цисталарын териўши пуқаралар өзин өзи бәнт етип, ҳәр жылы БЕМның 1 есеси муғдарында (375000 сум) пул төлесе оларға пенсия стажы есапланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

30 Dec, 09:01


❗️2025-жыл 1-апрелден баслап мәмлекетлик уйымларға қурылыс, коммунал хызметлер ҳәм басқа мәселелер бойынша онлайн хабар жибериў имканы жаратылады

Министрлер Кабинетиниң 24.10.2024-жылдағы 695-санлы қарарына тийкар, 2025-жыл 1-апрелден «Халық қадағалаўы» платформасы иске түсирилип, ол арқалы халық тәрепинен қурылыс, үй-жай коммунал хызмет көрсетиў, суў, канализация, жылытыў системасы, электр ҳәм басқа инженерлик тәмийнат, транспорт, жол, сондай-ақ, аймақ инфраструктурасындағы машқалалар ҳәм де басқа қызықтырған мәселелер бойынша онлайн хабар бериў имканы жаратылады.

📑 Платформа арқалы келген хабарларға жуўап бериўге жуўапкер шөлкемлер дизими тастыйықланған (фотоларда).

💻 Платформа xalqnazorati.uz, 1055.uz ҳәм мобил қосымша арқалы ислейди.

Платформаға келип түскен хабарлар узағы 10 күн ишинде қарап шығылып, пуқараға жуўап бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

30 Dec, 05:58


🎉Жаңа жыл байрамы!

Бүгин 30-декабрь күни Нөкис қаласы орайындағы Жаңа жыл шыршасы жанында ҳар қашанғыдан да өзгеше "Жаңа жыл" концерт бағдарламасы болып өтеди.

Концерт бағдарламасы 19:00 ден басланады.

Онда Мақсет Өтемуратов, Алишер Алламбергенов, Жаноб Расул, Ҳамдам Собиров, Байрам Пердебаев, Гүлнара Мүнтеева, Сарбиназ Аннақулова, Гүлназ Утепова, Бахадыр Разымбетов, Саламат Қәллибеков, Арысланбек Асқаров, Қуўат Аметов, Алишер Байныязов, Илхам Жолдасбаев, Раджиб Атажанов сыяқлы елимиз сүйген қосықшылар ҳәм жас талант ийелери хызметиңизде болады.

Жаңа жыл байрамы тамашаларына мирәт етемиз.

Жаңа жыл шыршасы жанында халқымызға жоқары кейпият инәм етиў ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

🔔
Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

30 Dec, 05:42


❗️Жас шаңарақтың турақ жай ижарасы мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи

«Жаслар дәптери»не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж жас шаңарақларға турақ жайдың ижарасы төлемин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады.

Субсидия 12 ай даўамында төленеди.

💰 Субсидияның ҳәр айлық муғдары БЕМның 3 есесин (1125000 сум) қурайды.

🔰 Субсидия бериў ушын шаңараққа төмендеги талаплар қойылған:
1)
Ерли зайыплының екеўи де 31 жасқа толмаған болыўы;
2) Екеўиниң де атында турақ болмаўы;
3) Алдын мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жеңилликли ипотека кредитлери арқалы турақ жай менен тәмийинленген болмаўы;
4) Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ямаса турақ жай менен тәмийинлеўге байланыслы жеңилликлерден пайдаланбаған болыўы;
5) Екеўинен биреў «Жаслар дәптери»не киргизилген болыўы.

📄 Арза бериўши субсидия алыў ушын Қәўендерлик кеңесине (баслығы - ҳәким, хаткери - жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлими баслығы) төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы керек:

турақ жай ижарасы шәртнамасы нусқасы. Бул шәртнамада ижараға бериўшиниң аты ҳәм фамилиясы, ФШЖИН, банк картасының реквизитлери, ижара мүддети, ижараның бир айлық төлеми муғдары көрсетилген болыўы керек.
ижара шәртнамасының салық уйымында есапқа қойылғанлығы ҳаққындағы билдирги.

🔰 Арза Қәўендерлик кеңеси тәрепинен тийисли мәкандағы жаслар жетекшиси менен биргеликте үйренилип, субсидияны ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Субсидия ажыратылмағанда оның себеплери анық көрсетилиўи керек.

🟢Субсидия бериў ҳаққында қарар қабыл етилсе, ижара төлеми ҳәр айдың 5-сәнесине шекем ижараға бериўшиниң (турақ жай ийесиниң) банк картасына өткерип бериледи.

❗️Субсидия бериў дәўиринде жаслар жетекшиси субсидия алып атырған пуқараның сол турақ жайда жасап атырғанлығын ҳәр айда кеминде бир мәрте тексерип турады. Егер пуқара ол жайда жасамай атырғанлығы анықланса, субсидия бериў тоқтатылады.

🔔
Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

29 Dec, 15:03


⚡️Айдаўшылар ушын әҳмийетли нызам қабыл етилди

❗️Бул Нызамға тийкар, жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы ҳаққындағы мағлыўмат жәрийма салыў ҳаққында қарар шығарыўға ўәкилликли болған шахсқа жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео үскенелери арқалы алынған ўақыттан баслап 48 саат ишинде жиберилмеген болса, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ис жуўмақланады.

Енди фото яки видеорадарға ямаса камераға түскеннарушение” протоколы 48 сааттың ишинде “ГАИ”ге жиберилмесе, ол бойынша пуқараға жәрийма салынбайды.

☝️Бул тәртип күшке кирди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

29 Dec, 11:15


Мектеп директоры болыў ушын қандай талапларға жуўап бериў керек?

🔰Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң 29.08.2023-жылдағы 270-санлы буйрығына көре, мектеп директоры лаўазымына талабан:

✔️кеминде бакалавр дәрежесиндеги жоқары мағлыўматқа ийе болыўы;

✔️менеджерлик сертификатқа ийе болыўы;

✔️билимлендириў тараўында кеминде 5 жыллық педагогикалық стажға ийе болыўы керек.

Талабанға қосымша талаплар:

🔸билимлендириў ҳаққындағы, бала ҳуқықлары ҳаққындағы ҳәм мәмлекетлик хызмет ҳаққындағы нызамшылықтан хабардар болыўы;

🔸шет тиллериниң биреўин басланғыш дәрежесинде билиўи ҳәм мәлимлеме коммуникация технологияларынан пайдаланып билиўи;

🔸мәмлекетлик тиллерди (өзбек, қарақалпақ) билиўи (шет тиллерин билиўи үстемлик береди) керек.

💡Мағлыўмат ушын. Менеджерлик сертификатқа ийе директорлардың лаўазым айлығына 50% лик үстеме төленеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

29 Dec, 09:50


💰120 млн сумлық турақ жай кредитин алыўшыға қандай талаплар қойылған?

Министрлер Кабинетиниң 21.10.2024-жылдағы 691-санлы қарарына тийкар, кредит алыўшы төмендеги критерийлерге (шәртлерге) муўапық болса ғана оған кредит ажыратылыўы мүмкин:

18 жастан үлкен ҳәм 60 жастан аспаған Өзбекстан пуқарасы болыўы;

кредитти төлеўге жетерли ҳәм нызамлы дәрамат дерегине ийе болыўы (сол қатарда қыйтақ жери яки дийқан хожалығынан ямаса жеке тәртиптеги исбилерменликтен дәрамат таўып отырған болыўы);

қарыз жүги көрсеткиши (айлық төлеп жүрген қарызлары суммасы) қарыз алыўшының барлық кредитлери ҳәм микроқарызлары бойынша орташа айлық төлемлери усы пуқараның орташа айлық дәраматларының 60% нен көп болмаўы;

алдын алған кредитлери бойынша мүддети өткен қарыздарлығы болмаўы;

алдын ипотека кредитинен ҳәм ипотека кредитлери бойынша субсидиялардан пайдаланбаған болыўы;

реконструкция қылынатуғын ҳәм оңланатуғын турақ жай ямаса қуралажақ турақ жайдың жер участкасы усы пуқараға ямаса ол менен бирге жасаўшыжақын туўысқанларынан бирине тийисли екенлиги ҳәм де пуқара усы мәнзилде кеминде 6 ай даўамында турақлы “пропискада” турған болыўы.

🗓 Қарыз жүгин есаплаўда кредит алыўшының орташа айлық дәраматлары муғдары оның ақырғы 12 ай даўамында алған дәраматлары муғдарының орташа арифметикалық муғдарынан кели шығып есапланады.

💡Кейинги постымызда: “Мәкан жетилиги” пуқараға кредит бериў ушын усынысты бериўден қандай жағдайларда бас тартыўы мүмкин?

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

29 Dec, 09:31


❗️Tek 2 kún! 29-30-dekabrde idea'da -50% ke shekem Sońǵı Shegirmeler!

⚡️— 50% Redmi Note13 (6/128) 239 000 119 500 sumnan
⚡️— 50% Lenovo Noutbuk 399 000 199 500 sumnan
⚡️— 50% MIDEA (MC08MEBU) 141 583 70 792 sumnan
⚡️— 50% Loretto (2101W) 90 667 45 333 sumnan
⚡️— 50% KLEO (1201) 102 000 51 000 sumnan
⚡️— 40% Ssmart 43" TV 266 500 159 900 sumnan
⚡️— 30% PREMIER Kondicioner 12" 439 000 307 300 sumnan
⚡️— 30% PREMIER 70" TV 619 000 433 300 sumnan
⚡️— 30% LG 8kg (F2V5PS0W) 498 167 348 717 sumnan ayina*

* Bul tek erteń saat 22:00 ge shekem boladı hám barlıq bahalar ayma ay tólewge kórsetilgen!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

-50% SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Dec, 08:55


⚡️Жаңа жыл байрамы күнлеринде "свет" өширилмейди!

2024-жыл 30-декабрьден 2025-жыл 3-январьға шекем барлық тутыныўшылар турақлы электр энергиясы менен тәмийинленеди.

▪️Режели оңлаў жумыслары тоқтатылып, энергетика объектлеринде "технологиялық тынышлық" режими енгизилди.

☝️Егер сизде сол күнлери электр энергияси бойыншы машқала болса төмендегилерге байланысың:

☎️ 1154
📲
@Het_admin ге жазың.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Dec, 07:31


⚡️Енди исбилерменнен артықша «отчет» яки ҳүжжет сораған шахслар 15 млн сумға шекем жәриймаға тартылады

❗️Өзбекстан Республикасының 21.10.2024-жылдағы ӨРН-979-санлы Нызамына тийкар, исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға тапсырылатуғын есап ҳәм статистика мағлыўматларының бирден бир дизимине киргизилмеген статистика, финанс, салық ҳәм басқа есапларды, сондай-ақ нызамшылықта көрсетилмеген басқа ҳүжжетлерди, сол қатарла банк есап бетин ашыўда артықша ҳүжжетлерди исбилерменлик субъектлеринен талап етип алыў, усы дизимде көрсетилген есапларды тапсырыўдың белгиленген мүддетлери ҳәм тәртибине қайшы түрде талап етип алыў лаўазымлы шахсларға ҳәм хызметкерлерге БЕМның 20 есесинен (7,5 млн сумнан) 40 есесине (15 млн сумға) шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

☝️Бул ҳәрекетлер бир жылдың ишинде қайталанса, ол лаўазымлы шахс яки хызметкерге БЕМның 60 есесине (22,5 млн сумға) шекем жәрийма салынады.

Исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға тапсырылатуғын есап ҳәм статистика мағлыўматларының бирден бир дизими менен мына силтеме арқалы танысып алың.

🔔 Постты исбилерменлерге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Dec, 06:07


🔮Жыл атлары ҳәм олар бойынша болжаўлар

ТЫШҚАН жылы (1972, 1984, 1996, 2008, 2020). Тышқан жылы халыққа қолайлы келеди, жақсы жыл деп есапланады, жаўын көп жаўады, гүзде егинниң өними мол болады. Егинниң баҳасы арзанлайды, бирақ, усы жылы тышқан көп туўады, сонлықтан оның егинге зыяны болады. Тышқан жылы туўылғанлар ақыллы болады. Тышқан түркий календарьда жылдың ортасында туўылған адам өтирикши, қызғаншақ, бирақ келбети келискен болады десе, қытай календарында тил тапқыш, жағымлы, керек сөзди таўып билетуғын, қызық әңгимешил, бирақ сықмар, лаўазымды жақсы көретуғын болады.

СЫЙЫР жылы (1973, 1985, 1997, 2009, 2021). Сыйыр жылы қыс суўық, қатты келеди, ҳайўанлар көп аўырады, егинниң өними төменлеп кетеди. Сыйыр жылы туўылғанлар талантлы, кеўилли, сөзшең, консерватив болады. Адамларға ҳақ нийет, ҳүрмет пенен қарайды. Сыйыр жылы [Қытайда Өгиз] түркий календарьда жақсы жыл. Усы жылы туўылған балалар ҳақ кеўил, ҳәрекетшең. Қытай календарында сыйыр жылы туўылғанлар мийнеткеш, жақсы, оның мийнети қуры кетпейди, жақсы жемис береди, ол өжет, қайтпас, оны өзгертиў қыйын, өзиниң алған бағытынан өлсе де қайтпайды.

ЖОЛБАРЫС жылы (1974, 1986, 1998, 2010, 2022). Жолбарыс жылы қыс ерте түседи, суўық болады. Егинниң өними мол болады, бул жылы туўылғанлар сулыў, сымбатлы болып келеди. Барыс жылы туўылғанлар ҳақ кеўил, жумсақ характерли болып келеди. Олар жетилискен адам болады. Жылдың аяғында туўылғанлар қорқақ, бирақ, ақыллы болады. Қытайларда жолбарыс өз қызығы менен жасайды, басқаның пикири менен есапласпайды. Қыс қысқа, бирақ жүдә қатты суўық болады.

ҚОЯН жылы (1975, 1987, 1999, 2011, 2023). Қоян жылы қыс турақсыз, тез-тез өзгерип турады. Жыл тынышсыз болады, адамлар бири-бири менен урысады. Усы жылы туўылғанлардың көпшилиги атақлы адамлар болады. Қоян жылы туўылғанлар бай болады, өзлерине исенимли, минези жақсы болады. Қытай календары бойынша, олар элегант адамлар, искусствоны жақсы көретуғын, әдебиятты, музыканы жақсы түсинеди. Бул жылы мийўе мол болады, қыс жумсақ, жыллы болады.

УЛЫЎ (Айдәрҳа) (1976, 1988, 2000, 2012, 2024). Улыў жылы жаўын көп болады, егин өнимли болады. Усы жылы туўылғанлардың ден саўлығы күшли, беккем, өзлерин жақсы көреди, жәмийетте атақлы адам болыўды жақсы көреди.

ЖЫЛАН жылы (1977, 1989, 2001, 2013, 2025). Жылан жылы жүдә суўық келеди. Егинниң өними мол болады. Бул жылы туўылғанлар ақыллы, бир сөзли, алға қойған мақсетине жетиў ушын гүреседи, көп сөйлемейди, сумлықлы болады. Бул жылы адам жағдайды түсинип, дурыс шешим қабыллаўы керек, биринши орында адамның актив ҳәрекети емес, ойлаўы, дурыс жолды таңлаўы турады.

ЖЫЛҚЫ жылы (1978, 1990, 2002, 2014, 2026). Жылқы жылы суўық болады. Егинниң өними аз болады. Усы жылы туўылғанлар шыдамлы, қыйыншылыққа төзимли, кеўилли, ақыллы, талантлы болады. Олар еркинликти, ҳеш кимнен ғәрезсиз болыўды жақсы көреди. Бул жылы адам шыдамлы болғаны жақсы.

ҚОЙ (Ешки) жылы (1979, 1991, 2003, 2015, 2027). Қой жылы қыс қатты келеди. Жыл табыслы, өнимдар болып келеди. Усы жылы туўылғанлар жалғызлықты жаман көреди, өтмиштеги өмирин умытады, жақсы жолдас, психолог болады.

МАЙМЫЛ жылы (1980, 1992, 2004, 2016, 2028). Маймыл жылы жаўын және қурғақшылық болады. Бул жылы туўылғанлар турақсыз, қарама-қарсылықлы характерли болады, бирақ, ақыллы, тез уғып алғыш, творчестволық уқыбы күшли болады.

ТАЎЫҚ жылы (1981, 1993, 2005, 2017, 2029). Таўық жылы қыс суўық ҳәм узақ болады. Усы жылы туўылғанлар талантлы, эгоист ҳәм батыл характерли болады.

ИЙТ жылы (1982, 1994, 2006, 2018, 2030). Ийт жылы қыс суўық болады. Адамлар арасында конфликт көп болады. Усы жылы туўылғанлар ҳадал, турақлы, тилге шешен, ҳақыйқатлық ушын гүресшең болады.

ДОҢЫЗ жылы (1983, 1995, 2007, 2019, 2031). Доңыз жылы тәшўишли, адамлардың жасаў жағдайы төменлеп кетеди. Усы жылы туўылғанлар қорықпас, дәў жүрек, тез ашыўланғыш болады. Урысты, тартысты жақтырмайды, тек туўры жол менен жүриўди жақтырады.

Дерек

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Dec, 16:54


❗️Бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлардың балаларының бақша төлемин мәмлекет қаплайды

🔰 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы ПП-87-санлы Пәрманына муўапық, бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлардың:

👉 мектеп жасына шекемги балалары ушын мәмлекетлик бақшаға төленетуғын төлемнен азат етиледи;

👉 3 жасқа шекемги болған балалары ушын мәмлекетлик емес (меншик) бақшаға төленетуғын төлемин қаплаў ушын мәмлекеттен субсидия ажыратылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Dec, 13:24


⚡️Техникум директоры ҳәм орынбасарлары ашық таңлаў арқалы таңлап алынады

💼 Президенттиң 16.10.2024-жылдағы ПП-158-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-январдан баслап техникумлардың директор ҳәм директор орынбасарларына талабанларды ашық таңлаў тийкарында таңлаў тәртиби енгизиледи.

🎓Сондай-ақ, 2025/2026-оқыў жылынан белгиленген техникумларда халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Dec, 12:31


❗️Tek 3 kún! idea'da 28-30-dekabr kúnleri -50% ke shekem Shegirmeler!

— 50% Redmi Note13 (6/128) 239 000 119 500 sumnan
— 50%
Lenovo Noutbuk 399 000 199 500 sumnan
— 50% MIDEA (MC08MEBU) 141 583 70 792 sumnan
— 50% Loretto (2101W) 90 667 45 333 sumnan
— 50% KLEO (1201) 102 000 51 000 sumnan
— 40% Ssmart 43" TV 266 500 159 900 sumnan
— 30% PREMIER Konditsioner 12" 439 000 307 300 sumnan
— 30% PREMIER 70" TV 619 000 433 300 sumnan
— 30% LG 8kg (F2V5PS0W) 498 167 348 717 sumnan ayǵa*

...*Kóplegen texnikalar múddetli tólemge -50%ke shekem shegirmede usınıs etiledi!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

-50% SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Dec, 12:16


🎅Нөкисте жаңа жылға жаңаша кейпият үлесип Қарбабалар сейили болып өтти.

🎉Байрам кейпиятын жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Dec, 10:12


❗️2025-жыл 1-апрельден баслап коммуналлық қәрежетлер өседи

⚡️Бир кВт/саат электр энергиясы ушын 600 сум;

🔥Бир куб метр тәбийғый газ ушын 1000 сум етип белгиленди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Dec, 06:32


⚡️Мектеп директоры ҳәм орынбасарының айлықлары 2 есеге көбейеди

2025-2026-оқыў жылынан баслап мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң директорлары, директор орынбасарларының мийнет ҳақысы муғдарлары арттырылады.

Сондай-ақ, 2026-жылдан баслап мектеп директорлары ҳәм олардың орынбасарларына жумыс нәтийжелилигине қарап қосымша үстемелер енгизилиўи режелестирилмекте.

Буннан тысқары, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасындағы басқарыў хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ҳақыларына узақ мүддет ислегенлиги ушын ҳәр айлық үстеме ҳәм басқа да қосымша төлемлер төлениўи жолға қойылады.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң атап өтиўинше, мектеп директорларының айлық мийнет ҳақысы 20 процентке шекем арттырылады. Егер олар "Директорлар мектеби"нен өтсе, айлық мийнет ҳақылары және 50 процентке арттырылыўы есабынан олардың мийнет ҳақысын еки есеге арттырыўға ерисиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Dec, 04:53


❗️Енди пуқараның абыройын төгиўши жалған (өсек) гәплерди тарқатыў ямаса телефонын (аккаунтын) блоклап таслаў менен қорқытып пул талап етиў жынаят есапланады

⚠️ Жынаят кодексине 19.01.2024-жылдағы 899-санлы Нызам менен киргизилген қосымша ҳәм өзгерислерге бола, буннан былай жәбирлениўшиниң мәлимлеме ресурсын жоқ етиў, өзгертиў, ийелеп алыў яки тосып қойыў, оның абыройын төгиўши (шерменде етиўши) жалған (өсек) гәплерди тарқатыў менен қорқытып мулк талап етиў де жынайый жуўапкершиликке себеп болады.

Бул нени аңлатады?

💡Мысалы ушын, бүгинги күнде пуқараны оның телефонын, Телеграм, Фейсбук, Инстаграм яки басқа социаллық тармақтағы аккаунтын (бетин) блоклап таслаў, өзгертиў яки ийелеп алыў менен қорқытып пул талап етиў социаллық тармақларда көбирек ушырасып атырған жағдайлардан бири.

Сондай-ақ, пуқара ҳаққында жалған мағлыўматты яки фотоларын «монтажлап» тарқатыў менен қорқытыў арқалы пул өндириў жағдайлары да көп ушырасады.

Бирақ, алдын сондай ҳәрекетлер ушын жуўапкершиликти белгилеўши Жынаят кодексинде анық статья жоқ еди.


🚷 Ендигиден былай жоқарыдағыдай ҳәрекетлер ушын пуқараларға 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

26 Dec, 13:47


❗️2025-жыл ушын салықлардың ставкалары тастыйықланды

☝️Айырым салықлар ставкалары 2025-жыл 1-январдан баслап көтериледи.

📄 Айырым салықлардың таза ставкалары ҳаққында каналымызда бирме бир мағлыўмат берип барамыз.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

26 Dec, 12:15


Сиз Жаңа жылды Қаратерең этнотуристлик комплексинде күтип алыўды қәлейсиз бе, яки гиннестин Рекордлар китабына кирген миллий қара үйимизде ше?

☝️Егер мақул болса Қарақалпақстан телеканалында " Ассалам, жаңа жыл" байрам көрсетиўин 31-декабрь куни саат: 21:15 тамаша етиң.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

26 Dec, 11:56


❗️Tek idea'da! Texnikalar -50%ke shekem Jańa Jıl Shegirmeleri

⚡️-50% Redmi 14C (4/128) - 89 000 sumnan
⚡️-50% Redmi Note13 (6/128) - 99 000 sumnan
⚡️-50% Honor X7b (8/128) - 99 000 sumnan
⚡️-50% TECNO Spark Go1 (3/64) - 69 000 sumnan
⚡️-50% TECNO Spark 30C (4/128) - 79 000 sumnan
⚡️-50% PREMIER (211) - 139 000 sumnan
⚡️-30% LORETTO 6kg (6007BLDC-W) 139 000 sumnan
⚡️-30% XIAOMI Redmi A3 (4/128) - 79 000 sumnan
⚡️-30% TECNO Spark 30 (8/128) - 99 000 sumnan
⚡️-20% Ssmart 32" TV (32FSV22) 79 000 sumnan
⚡️-20% FERRE Gaz plita (60G-31DB) 99 000 sumnan
⚡️-20% Ssmart 32" TV (Android12) - 79 000 sumnan ayına*

*Kóplegen texnikalar múddetli tólewge -50%ke shekem shegirmede usınıs etiledi!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

-50% SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

26 Dec, 09:41


⚡️Кейинги жылдан баслап жоқары оқыў орынларында бағшалардың тийисли жоқары мағлыуматқа ийе болмаған педагоглары ушын арнаўлы квоталар ажыратылады

Президенттиң Пәрманына бола, 2025-2026-оқыў жылынан баслап:

мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша дуал билимлендириў формасы енгизиледи;

мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына мектепке шекемги билимлендириў бағдарының сыртқы хәм кешки формасына ҳәр жылы кеминде 200 мақсетли квота ажыратылады.

☝️Бул квотаға бағшаларда кеминде 5 жыллық жумыс стажына ийе болған педагог кадрлар еселенген төлемли-контракт тийкарында қабылланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

26 Dec, 06:18


⚡️ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары тайынланды

💼 Бүгинги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 2-сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығына төмендеги орынбасарлар тайынланды:

- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қаржы - экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары - экономика ҳәм қаржы министри лаўазымына Ерлепесов Нуруллан Умирзакович;

- Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, тосқынлықларсыз орталық жаратыў, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Даулетияров Шухрат Қыдырбаевич;

- Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - Аўыл хожалығы министри лаўазымына Тешаев Шуҳрат Жўрақулович;

- Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри лаўазымына Жоллыбеков Владимир Бахтиярович;

- Министрлер Кеңеси Баслығының туризм, спорт, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалабалық коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Зарикеев Расул Полатович;

- Министрлер Кеңеси Баслығының жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына Отемуратов Байрамбай Пердебаевич;

- Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары лаўазымына Нуразизов Раджапбай Купалбекович;

- Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы лаўазымына Ахмедова Марьям Халилаевна.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ағзалары лаўазымларға тайынланды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.


👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Dec, 10:40


❗️Tek idea'da! Texnikalar -50%ke shekem " Jańa Jıl Shegirmeleri"

⚡️-50% Redmi 14C (4/128) - 89 000 sumnan
⚡️-50% Redmi Note13 (6/128) - 99 000 sumnan
⚡️-50% Honor X7b (8/128) - 99 000 sumnan
⚡️-50% TECNO Spark Go1 (3/64) - 69 000 sumnan
⚡️-50% TECNO Spark 30C (4/128) - 79 000 sumnan
⚡️-50% PREMIER (211) - 139 000 sumnan
⚡️-30% LORETTO 6kg (6007BLDC-W) 139 000 sumnan
⚡️-30% XIAOMI Redmi A3 (4/128) - 79 000 sumnan
⚡️-30% TECNO Spark 30 (8/128) - 99 000 sumnan
⚡️-20% Ssmart 32" TV (32FSV22) 79 000 sumnan
⚡️-20% FERRE Gaz plita (60G-31DB) 99 000 sumnan
⚡️-20% Ssmart 32" TV (Android12) - 79 000 sumnan ayǵa*

*Kóplegen texnikalar múddetli tólemge -50%ke shekeme usınıs etiledi!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

-50% SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Dec, 10:04


💰Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен қаржыландырылатуғын қәрежетлер белгиленди

«2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның 13-статьясы менен 2025-жылы Қарақалпақстан Республикасының республика бюджетинен, ўәлаятлардың ўәлаят бюджетлеринен ҳәм Ташкент қаласының қала бюджетинен қаржыландырылатуғын қәрежетлер белгилеп берилди.

☝️Қәрежетлердиң толық дизими сүўретте көрсетилген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Dec, 09:26


💼 Нөкис районы ҳәкимине таза орынбасар тайынланды

Хасанов Омирбай Бекбаулович
-Нөкис районы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Ол усы күнге шекем бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс ислеп келген.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Dec, 07:29


❗️Шығындыдан қарызы бар пуқара 5 күнниң ишинде қарызын төлемесе, электр энергиясы ушын пул төлей алмайды – Нызам жойбары

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилген Нызам жойбарында тутыныўшыға шығынды хызметлери ушын қарыздарлықты сапластырыў ушын имканият жаратыў мақсетинде шығынды хызметлери ушын төлемлерден қарыздарлығы бойынша қысқа хабар (СМС) арқалы тутыныўшы хабардар етилгеннен кейин бес күнлик мүддет берилиўи белгиленди.

Соннан кейин ғана қарыздарлық сапластырылмаған жағдайда электр энергиясы ушын төлемлерди қабыл етиўди ўақытша шеклеўге қаратылған ҳуқықый нормалар қолланылады.

Нызам жойбарында тутыныўшылардың ҳуқықларына әмел етиў кепилликлери толық беккемленип, турмыслық шығындыларды алып шығыўға қәнигелескен шөлкемлер төлемлердиң ҳақыйқый ҳәм дурыс есапланыўы ушын жуўапкер болыўы, усы талаплар бузылған жағдайларда тутыныўшыға жеткерилген зыян қапланатуғыны белгилеп қойылды.

Нызам жойбары Сенат тәрепинен мақулланып, Президент қол қойғаннан кейин күшке киреди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Dec, 05:51


🚌 Пединституттың студентлери районларға қайтыўы ушын арнаўлы транспортлар шөлкемлестирилипти

Бүгиннен баслап жоқары оқыў орынларына қысқы дем алыс басланады
.

Сол мүнәсибет пенен кеше Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир қатар районларға қайтатуғын студентлери ушын арнаўлы автотранспортлар шөлкемлестирилген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Dec, 04:08


❗️Жарамсыз жағдайға келген «авто номер»ди алмастырыў ушын төлем арзанлапты

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң 30.11.2024-жылдағы буйрығы менен енгизилиген өзгериске көре:

🔻жарамсыз жағдайға келген яки бузылған бир дана дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгиси (авто номер) орнына таза номер бериў ушын БЕМның 1,5 есеси муғдарында (562000 сум);

🔻мотоцикл, электромотоцикл, скутерлер ҳәм тиркеўиш (прицеп) ушын жойтылған бир дана дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгиси (номер) орнына таза номер бериў ушын БЕМның 1,5 есеси муғдарында (562000 сум) төлем өндириледи.

☝️Алдын бул хызметлер ушын БЕМның 1,75 есеси муғдарында (656250 сум) төлем өндирилген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Dec, 17:47


❗️Егер оқытыўшы-профессорлар разы болмаса, олардың айлығынан услап қалыўға ректордың ҳақы жоқ

💰Республика жоқары билимлендириў кеңесиниң 2024-жыл 12-декабрь күни өткерилген жыйналысы протоколының 16-бәнтинде жазылыўынша, Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларының ректорлары (директорлары) оқытыўшы-профессорлардың бир күнлик айлығын “Жасыл мәкан” жойбарына өткериўди усыныс етипти.

❗️Мийнет кодексиниң 269-статьясына муўапық, улыўма қағыйдаға бола хызметкердиң жазба разылығы менен, хызметкердиң разылығы болмаған жағдайда болса бул статьяның екинши бөлимине тийкар, мийнет ҳақысынан услап қалыныўы мүмкин.

🚫 «Педагогтың статусы ҳаққында»ғы Нызамның 5-статьясына тийкар, педагогқа товар ҳәм хызметлерди сатып алыў миннетлемесин жүклеў, айлығынан оның жазба разылығысыз товар ҳәм хызметлер ушын услап қалыў қадаған етиледи.

☝️Демек, ҳеш қандай кеңестиң яки уйымның протоколы педагоглардың айлығынан услап қалыўға тийкар бола алмайды!

⚠️Ҳүрметли оқытыўшы-профессорлар, Сиз бундай жағдайларда жумыс бериўшиниң үстинен бәнтлик уйымларына, кәсиплик аўқамға яки прокуратураға шағым етиўиңиз мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Dec, 15:08


⚡️2025-жылы медицина хызметкерлериниң айлығы көтериледи

Президентке медицина тараўын раўажландырыў бойынша берилген усынысларға көре, келеси жылы хызметкерлердиң лаўазым айлығы арттырылады.

Шаңарақлық шыпакерлерге олардың мийнет өнимдарлығына қарап үстеме төлеў тәртиби енгизиледи.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында ҳәм Наўайы, Самарқанд, Бухара, Хорезм, Қашқадәрья ўәлаятларында мәмлекетлик медицина қамсызландырыўы енгизиледи.

🔔 Постты медиклерге тарқатың

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Dec, 13:00


🆘 DÍQQAT JUMÍSQA SHAQÍRÍP QALAMÍZ🆘
"idea" Xojaliq texnika hám elektronika dúkanlar tarmaǵı⚡️
📌Shimbay, Mang'it, To'rtko'l📌
filiallarına jumısqa shaqırıp qalamız!!!

Bos jumıs orınları:
🔴Satıwshı-máslahátshi;
🔴Shártnama Menedjeri;
🔴Sawda agenti;

Jumıs tártibi:
🔴 5 jumıs kúni hám 2 kún dem alıs
🔴 Jumıs waqtı saat 09:00 den 20:00 ge shekem

Kompaniya tárepinen:
➡️ Ózbekstan Respublikası Miynet kodeksine tiykarlanıp nızamli túrde jumısqa qabıl etemiz;
➡️ Miynet haqı waqtında beriledi;
➡️ Miynet dem alısı;
➡️ Kepillengen mártebe ósiwi direktorǵa shekem;
➡️ Miynet haqı: Belgilengen is haqı + bonus 10 000 000 sumǵa shekem;
➡️ Qosımsha bonuslar;

Oqıytuǵın studentler qabıl etilmeydi.

➡️ @idea_jbot házir-aq arza qaldırıń! 🔥
(Jumıs orınları sheklengen)

Telefon: +998 77 372 67 69

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Dec, 10:47


⚡️Енди бир фирмадан басқа фирмаға турақ емес имаратларды өткериў ҳаққындағы шәртнаманы «бир айна»да тастыйықлатыўға болады

Министрлер Кабинетиниң 29.11.2024-жылдағы 795-санлы қарары менен Турақ емес мүлкти басқа шахсқа өткериўге байланыслы шәртнамаларды рәсмийлестириў ҳәм оған болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша композит мәмлекетлик хызметти көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

❗️Регламентке көре, юридикалық шахслар (фирма, кәрхана ҳ.т.б.) арасында турақ емес көшпес мүлкти басқа шахсқа өткериўге байланыслы еки тәреплеме шәртнамаларды рәсмийлестириў ҳәм оларға болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў мәмлекетлик хызметлер орайлары яки my.gov.uz’дан арза бериў арқалы әмелге асырылады.

💰Хызмет көрсетилгени ушын БЕМның 2 есеси (750 мың сум) муғдарында пул өндириледи.

☝️Бунда юридикалық шахслар турақ емес көшпес мүлкти басқа шахсқа өткериўге байланыслы еки тәреплеме шәртнамаларды қәлеўине қарап өзбетинше яки нотариуста тастыйықлатқан ҳалда рәсмийлестириўи мүмкин.

🧾 Бул хызметти көрсетиўдиң схемасы жоқарыдағы фотода толық көрсетилген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Dec, 08:33


NUKUS da varikozdan CHEGIRMA VA GARANTIYA bilan qutiling

Varikozdan arzon narxlarda, og'riqsiz, yarim soatda va kafolatli xalos bo'lmoqchimisiz?

Unda Sizni 5 va 6 dekabr kunlari Nukusdagi Grand Med Servis klinikasida kutib qolamiz.

Faqat qoraqalpog'istonlik bemorlar uchun barcha operatsiyalar ARZON NARXLARDA bajariladi.

Klinika manzili: Grand Med Servis klinikasi, Nukus sh., Tan Nuri, 175. Mo'ljal: ResGaz, Jumanji

Qabulga yozilish uchun: 99 511-98-88

TELEGRAM | INSTAGRAM | FASEBOOK

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Dec, 07:28


❗️Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрден басланады

Дем алыс күнлери 2025-жыл 10-январға шекем даўам етеди.

Барлық мектеплерде үшинши шерек 2025-жыл 11-январда басланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Dec, 05:07


Зироат Махмудовна Мирзиёева 1964-жыл 4-декабрде Ферғана ўәлаятының Қоқан қаласында туўылған.

Бүгин биринши ханым 60 жасты қарсылады.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

04 Dec, 03:36


⚡️Нызамшылықта майыплығы болғанларға берилген жеңилликлер

Жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша қабыллаў квотасы ажыратылады.

Автотранспорт қураллары ушын ажыратылған тоқтап турыў орынларынан (стоянкадан) пайдаланғанда ҳақы төлемейди.

I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хызметлер орайлары (бир айна) яки my.gov.uz арқалы хызмет көрсетиўде 50% муғдарда жеңилик қолланылады.

Майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери (ННО) символларын дизимнен (қайта дизимнен) өткериў ушын мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

Майыплығы болған 18 жасқа шекемги балаларға ҳәм де I және II топар майыплығы болған шахсларға майыплық напақасын тайынлаўда мәмлекетлик хызметлер бийпул көрсетиледи.

I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардың балалары мәмлекетлик бағшаларға жеңилликке ийе дизим арқалы қабылланады.

Тийисли медициналық жуўмақ тийкарында мүтәж шахсларға протез-ортопедия қураллары бериледи.

Санаторий-курортта бийпул дем алыў ҳуқықына ийе.

I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардың мүлкинде болған мал-мүлк 60 квадрат метр шеңберинде салықтан азат етиледи.

Мийманханаларда майыплығы болған шахслар ушын айрықша шараятларға ийе ханалар шөлкемлестириледи.

Хызмет турақ жайларында жасаўшы I ҳәм II топар майыплығы болғанлар хызмет жайынан басқа турақ жай берген ҳалда көшириледи.

Майыплығы болған шахсларға БЕМның 50 есесине шекем (18 млн 750 мың сумға шекем) субсидия ажыратылады.

I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар жер салығынан азат етиледи.

Бюджет есабынан қаржыландырылатуғын бассейнлерде шуғылланыў ҳәм олардан пайдаланыў ушын майыплығы болған балалар төлемнен азат етиледи.

Балалықтан майыплығы болғанлар, сондай-ақ, I ҳәм II топар майыплығы болғанлардың МҲЕКМның 3 есеси (3 млн 465 мың сум) муғдарындағы қаржылары дәрамат салығына тартылмайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨
Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Dec, 13:34


Бағыўшысын жоғалтқанларға компенсация қанша мүддет төленеди?

Бағыўшысын жоғалтқанларға
зыянды жумыс бериўши төмендеги мүддетлерде қаплап бериўи шәрт:

👉 ер жетпеген шахсларға – 18 жасқа толғанға шекем;

👉 18 жастан жоқары болған оқыўшыларға – күндизги оқыўын жуўмақлаўына шекем, бирақ 23 жасқа шекем;

👉 55 жастан жоқары ҳаялларға ҳәм 60 жастан жоқары еркеклерге – өмирлик;

👉 майыплығы болған шахсларға – майыплық мүддетине;

👉 марҳумның қарамағында болған балалары, ақлықлары, аға-инилери ҳәм апа-сиңлилери күтими менен бәнт болған ата-анасынан бирине, ерине (зайыбына) ямаса басқа шаңарақ ағзасына – қарамағындағы шахслар 14 жасқа толғанға шекем.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨
Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Dec, 13:02


😎😎😎😎😎😎😎😎

БУЎЫН ҲӘМ СҮЙЕКЛЕРДИ ТИКЛЕЙТУҒИН ӘЖАЙИП ӨСИМЛИК


📱 YouTube 👈 та бизди күзетиң

Nutva Complex 🌱 шөбинен пайдаланып, аяққа турған Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласынан болған наўқас. Сиз де Nutva Complex 🌱 ишип,

Санның жемирилиўи,
Дизе жемирилиўи,
Буўынлар исиниўи,
Сүйек сыныўы,
Белдеги жарық.

сыяқлы кеселликлерден қутылың ҳәм сүйек ҳәм буўынлардың ҳәрекетлениўин жеделлестириўде организмимизге қосымша жәрдем бериң!

Сыналған ҳәм мыңлаган клиентлерге ийе болган ҳадал қосымша!!!

Мағлыўмат ушын:
☎️ +99871-211-11-12

🚌 Жеткерип бериў хызмети бийпул.

😎YouTube|📹Instagram|🌐Website|🌐Facebook

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Dec, 11:57


⚡️Әскерий хызметшилер ҳәм ҳуқықты корғаўшы уйымлардың хызметкерлерине бир қатар шеклеўлер қойылды

🚫 Өзбекстан Республикасының 29.11.2024-жылдағы 1008-санлы Нызамына көре, әскерий хызметшилер ҳәм ҳуқықты корғаўшы уйымлардың хызметкерлерине исбилерменлик пенен шуғылланыў, өзиниң хызмет ўәкилликлерин биреўлердиң мәпин гөзлеп орынлаў яки орынламаў ушын саўғалар, пайда яки сыйлықлар алыў, нызамшылықта белгиленбеген жеңилликлерден өзиниң лаўазымынан пайдаланған ҳалда пайдаланыў қадаған етилди.

❗️Нызам кейинги айдан күшке киреди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Dec, 11:38


#ТEЗКОР

❗️Smartfonlarǵa idea'da 40% ke shekem SHEGIRMELER járiyalandı:

⚡️-40% Redmi 13 (6/128) 249 000 149 400 sumnan
⚡️-40% Redmi Note13 (6/128) 239 000 143 400 sumnan
⚡️-40% Honor 200 Lite (8/256) 409 000 245 400 sumnan
⚡️-40% Honor X6b (4/128) 209 000 125 400 sumnan
⚡️-40% Honor X7b (8/128) 269 000 161 400 sumnan
⚡️-40% Huawei Nova Y72 (8/256) 244 000 146 400 sumnan
⚡️-40% Tecno Spark 20c (4/128) 199 000 119 400 sumnan
⚡️-40% Tecno Spark Go1 (3/64) 148 333 89 000 sumnan
⚡️-30% iPhone 13 (128gb) 849 000 594 300 sumnan ayına*

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Sovg'alar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Dec, 10:42


⚡️Енди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары есапланады

Президенттиң 02.12.2024-жылдағы ПҚ-413-санлы қарарына тийкар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм районлар ҳәкимликлериниң структураларына төмендеги таза лаўазымлар киргизиледи:

✔️Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри;

✔️район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - район аўыл хожалығы бөлими баслығы.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Dec, 07:55


❗️2025-жылдың бюджети жойбарында Қарақалпақстан ушын қосымша 9,5 млрд сум ажыратылыўы белгиленди

Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы тәрепинен бүгин қарап шығылып мақулланған 2025-жылдың мәмлекетлик бюджети ҳаққындағы Нызам жойбарына өзгерис киргизилди.

Экологиялық партияның палатадағы фракциясының усынысы менен Қарақалпақстан Республикасында тоғайшылық тараўы илимий-тәжирийбе станциясын шөлкемлестириў ушын қосымша 9,5 млрд сум қаржы ажыратылатуғын болды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

03 Dec, 07:31


🆘 DÍQQAT JUMÍSQA SHAQÍRÍP QALAMÍZ🆘
"idea" Xojaliq texnika hám elektronika dúkanlar tarmaǵı⚡️
📌Shımbay, Manǵıt, Tórtkúl📌
filiallarına jumısqa shaqırıp qalamız!!!

Bos jumıs orınları:
🔴Satıwshı-máslahátshi;
🔴Shártnama Menedjeri;
🔴Sawda agenti;

Jumıs tártibi:
🔴 5 jumıs kúni hám 2 kún dem alıs
🔴 Jumıs waqtı saat 09:00 den 20:00 ge shekem

Kompaniya tárepinen:
➡️ Ózbekstan Respublikası Miynet kodeksine tiykarlanıp nızamli túrde jumısqa qabıl etemiz;
➡️ Miynet haqı waqtında beriledi;
➡️ Miynet dem alısı;
➡️ Kepillengen mártebe ósiwi direktorǵa shekem;
➡️ Miynet haqı: Belgilengen is haqı + bonus 10 000 000 sumǵa shekem;
➡️ Qosımsha bonuslar;

Oqıytuǵın studentler qabıl etilmeydi.

➡️ @idea_jbot házir-aq arza qaldırıń! 🔥
(Jumıs orınları sheklengen)

Telefon: +998 77 372 67 69

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Nov, 12:03


❗️Арнаўлы хызметлерге алдап телефон еткен пуқара 1,1 млн сумға шекем жәриймаға тартылады

⚠️ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 199-статьясына тийкар, ишки ислер органы (102), өртке қарсы хызмет (101), қыстаўлы медициналық хызмет (103) ҳәм басқа арнаўлы хызметлерди билип турып алдап шақырыў БЕМның 1 есесинен (375 мың сумнан) 3 есесине (1,1 млн сумға) шекем жәрийма салыўға себеп болады.

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Nov, 10:13


💰2025-жылы айлықлары 35% ке көтерилетуғын мәденият тараўы мәкемелери дизими тастыйықланған

☝️Жоқарыдағы дизимде көрсетилген мәкемелерде ислеўши хызметкерлердиң айлықлары:

✔️2025-жыл 1-январдан баслап - 20% ке;

✔️2025-жыл 1-июлдан баслап - және 15%ке көтериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Nov, 07:52


😎 Қытайдағы бағшаның күн тәртиби

П/с: Бизде де усындай бағша болса, көпшилик балаларын беретуғын шығар. Себеби биздеги көпшилик бағшалар стандарт күн тәртибине түсирилген, креативлик жетиспейди.

📑Дерек: Бала психологиясы

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.


👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Nov, 06:33


⚡️1-декабрь - контракт пулын төлеўдиң ең соңғы мүддети

❗️Төмендеги бакалавриат ҳәм магистратура студентлери ушын контракт төлемлерин төлеў мүддети 1-декабрь етип белгиленди:

🔸контракт яки «супер-контракт» тийкарында оқыйтуғын студентлер (1-курс);
🔸қарақалпақстанлы жаслар ушын ажыратылған қосымша квота тийкарында студент болғанлар (1-курс);
🔸оқыўын көширген (көширип тиклеген) студентлер.

☝️Бунда усы мүддет ишинде:

🔹«әпиўайы» контрактқа киргенлер – бир жыллық контракт суммасының 25%;
🔹«супер-контракт» пенен киргенлер – бир жыллық контракт суммасының 50% бөлегин төлеўи керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Nov, 06:15


⚡️Tek ǵana 2 kún! idea'da SUPER SHEGIRMELER!

❗️- 40% Redmi Note 13 (6/128) Ice Blue 239 000 143 400 sumnan
❗️- 40% Redmi Note 13 (6/128) Midnight Black 239 000 143 400 sumnan
❗️- 40% Redmi Note 13 (6/128) Mint Green 239 000 143 400 sumnan
❗️- 40% Honor X5 Plus (4/64) Midnight Black - 199 000 119 400 sumnan
❗️- 40% Tecno Spark 20c (4/128) Gravity Black 199 000 119 400 sumnan
❗️- 40% Redmi 13 (6/128) Midnight Black 249 000 149 400 sumnan
❗️- 40% Redmi 13 (6/128) Ocean Blue 249 000 149 400 sumnan
❗️- 30% Honor X6b (4/128) - 215 000 150 500 sumnan ayina

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

-40% SHEGIRME | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Nov, 05:55


Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

📊МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

🪙10 млн нан 300 млн’ға шекем микроқарыз

Мәселен, той бериўге яки Машина алыўға ҳәм басқада жетпей турған қәлеген мүтәжиңизге алсаңызда болады.

Оны 10 күнде яки 1 айда кайтарсаңыз да болады, тек алған күниңизге процент қосылады.

📅 6 айдан 1 жыл, 1,5 ҳәм 3 жыл мүддетке.

🪙 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.

📑 КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай график бойынша төлеп барасыз

☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

XALÍQ USHÍN ⚖️

28 Nov, 04:47


#Әмел_етиң

Айдаўшылардың транспорт қуралларын пиядалар тротуарларынан жүргизиўи, жолаўшыларға ылай шашыратыўы БЕМның екиден бир бөлеги муғдарында (187 мың 500 сўм) жəрийма салыўға себеп болады.

‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Nov, 15:28


⚡️Ташкент қаласындағы паркинг (стоянка) аймақларында бир саат тоқтап турыў баҳалары:

1-тариф зонасы - 12 мың сум;
2-тариф зонасы - 10 мың сум;
3-тариф зонасы - 8 мың сум;
4-тариф зонасы - 6 мың сум;
5-тариф зонасы - 5 мың сум.

🔔 Постты Ташкенттеги жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Nov, 13:45


⚡️Ҳәмиледар яки 3 жасқа шекем баласы бар ҳаялды жумыстан босатқан баслыққа 9,3 млн сумға шекем жәрийма салынады

Мийнет кодексиниң 408 хәм 409-статьяларына тийкар, хәмиледар хаяллар яки 3 жасқа толмаған баласы бар хаяллар менен мийнет шәртнамасын жумыс бериуши басламасы менен бийкар етиуге жол қойылмайды.

☝️Бунда ҳәмиледар ҳаялды тек кәрхана жабылып атырған болса, ал 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаялды кәрхана жабылып атырғанда ҳәм мийнет интизамын турақлы түрде яки қопал түрде бир мәрте бузған жағдайда жумыстан босатыўға болады.

❗️Егер Мийнет кодекси талапларына қайшы түрде ҳәмиледар ҳаял яки 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаял жумыстан босатылса, баслыққа Жынаят кодексиниң 148-статьясына тийкар БЕМның 25 есесине (9,3 млн сумға) дейин жәрийма яки 3 жылға шекем лаўазымды ийелеў хуқықынан айырыў ямаса 3 жылға шекем тәртип дүзетиў ислери сыяқлы жаза қолланылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Nov, 13:10


⚡️Tek ǵana 3 kún! idea'da SUPER SHEGIRMELER!

❗️- 40% Redmi Note 13 (6/128) Ice Blue 239 000 143 400 sumnan
❗️- 40% Redmi Note 13 (6/128) Midnight Black 239 000 143 400 sumnan
❗️- 40% Redmi Note 13 (6/128) Mint Green 239 000 143 400 sumnan
❗️- 40% Honor X5 Plus (4/64) Midnight Black - 199 000 119 400 sumnan
❗️- 40% Tecno Spark 20c (4/128) Gravity Black 199 000 119 400 sumnan
❗️- 40% Redmi 13 (6/128) Midnight Black 249 000 149 400 sumnan
❗️- 40% Redmi 13 (6/128) Ocean Blue 249 000 149 400 sumnan
❗️- 30% Honor X6b (4/128) - 215 000 150 500 sumnan ayina

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

-40% SHEGIRME | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

27 Nov, 12:05


❗️Байрам ҳәм дем алыс күнлери ислеген хызметкерге айлық 2 есе төленеди

Мийнет кодексиниң 263-статьясына көре, дем алыс күнлериндеги яки исленбейтуғын байрам күнлериндеги жумыс ушын хызметкерге ҳақы еки есе төленеди.

Егер хызметкер қәлесе дем алыс яки байрам күнинде ислеген күн ушын баслық оған басқа жумыс күнинде дем алыс берип, 1 есе муғдарында ис ҳақы төлеўи мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 17:07


⚡️1-январдан баслап Ташкентте метро менен автобуста жол ҳақы 3000 сум болады

❗️Жәмийетлик додалаўға қойылған Ташкент қаласы ҳәкиминиң қарары жойбарына көре, 2025-жыл 1-январдан баслап Ташкент қаласының жәмийетлик транспорты жөнелислеринде (автобус ҳәм метрополитен) қатнаўларын әмелге асырыў ушын жол ҳақы бир жолаўшы ушын шекленген тариф - 3000 сум етип белгиленбекте.

☝️Бунда бир жолаўшы қатнаўы ушын 1 мәртелик төлемди электрон система арқалы әмелге асырғанда жеңиллик қолланылып, 1700 сумнан болады.

🔔 Постты Ташкенттеги жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 15:17


📊 Қарақалпақстан Республикасының халқы ҳаққында мағлыўмат

Өзбек, Қарақалпақ, Рус, Украин, Белорус, Қазақ, Әзербайжан, Қырғыз, Тәжик, Түркмен, Татар сыяқлы миллет ўәкиллери аўызбиршиликте жасайтуғын Қарақалпақстан Республикасында турақлы халық саны 2024-жылдың 1-апрель ҳалатына 2008,8 мың адамды қурайды.

Усы көрсеткиш 2024-жыл басынан 6,1 мың адамға ямаса 0,3% ке өсти.

Соның ишинде, қала халқының саны 981,2 мың адамды (жәми халық санындағы үлеси 48,8%) аўыл халқының саны 1027,6 мың адамды (51,2%) қурайды.

Республикалық кесимдеги талқылаўларға бола, 2024-жылдың 1-апрель ҳалатына ең көп халық саны Нөкис қаласында 340,6 мың адамды (республика жәми халқы санындағы үлеси 16,9%) ҳәм Төрткүл районында 229,5 мың адамды (11,4%), керисинше ең кем халық саны Бозатаў 21,9 мың адамды (1,1%) сондай-ақ, Мойнақ районында 33,7 мың адам (1,7%) ды қурайды.

Дерек

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 14:07


💵 Доллардың “күши” ҳаққында Жахонгир Отажоновтан таза репертуар

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 13:33


⚡️Жетим ҳәм ата-ана қамағынан айырылған жаслар мәмлекетлик жумысқа таңлаўсыз қабылланады

Президенттиң Пәрманына көре, жоқары оқыў орынларын питкерген жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жаслар мәмлекетлик пуқаралық хызметине таңлаўсыз қабылланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 11:30


⚡️Әпиўайы тергеўшиликтен МҚХ баслығы лазазымына шекемги мийнет жолы

Баҳодир Қурбонов 1969-жыл 29-июльде Жиззах ўәлаяты Замин районында туўылған. 1987-1989-жыллары әскерий хызметти өтеген. 1990-жылы Өзбекстан ИИМ Жоқары тергеў мектебине, 1992-жылы болса Өзбекстан ИИМ Жоқары мектебине оқыўға кирди.

1994-1996-жыллары Жиззах ИИО тергеў бөлиминде дәслеп тергеўши, кейин ала аға тергеўши болып ислеген.

1996-2002-жыллары Жиззах ўәлаяты ИИБда оператив хызметкери лаўазымынан бөлим баслығы орынбасары лаўазымына шекем көтерилген.

Буннан тысқары, усы дәўирде Жиззах ўәлаяты ИИБ Жынаят излеў ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бөлими баслығының орынбасары ретинде жумыс алып барды.

2002-жылы Жиззах ўәлаяты Жиззах районы ИИО баслығы лаўазымына тайынланған.

2005-жылы Жиззах ўәлаяты Ғаллаарал районы ишки ислер бөлими баслығы лаўазымына өткен.

2008-жылы Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети бас басқармасы баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеген. Усы жылы Наманган ўәлаяты ИИБ баслығы лаўазымына тайынланды.

2013-жыл 24-декабрьден 2015-жыл 27-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы ишки ислер министриниң орынбасары - жәмийетлик қәўипсизлик хызмети баслығы лаўазымында ислеген.

2015-жылы Ташкент қалалық Ишки ислер бас басқармасының баслығы лаўазымына тайынланған.

2017-жылы 14-январьда оған генерал-майор атағы берилген.

2018-жыл 12-февральдан 2019-жыл 11-февральға шекем Ташкент әскерий округи сәркардасы лаўазымында жумыс иследи.

Өзбекстан Президентиниң 2019-жыл 11-февральдағы Пәрманы менен Баҳодир Қурбонов Өзбекстан қорғаныў министри етип тайынланды.

2024-жыл 23-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы етип тайынланды ҳәм оған генерал-полковник әскерий атағы берилди.

Сондай-ақ, ол 2020-жыл 15-августтан Өзбекстан аралас жекпе-жек гүреслер ассоциациясы (ММА) баслығы.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 10:39


❗️Парклерди ҳәм дем алыў орынларын меншиклестириўди нызам менен қадаған етиў жобаластырылмақта

“Адолат” СДП менен Экологиялық партияның Нызамшылық палатасындағы фракциялары басламасы менен мәдений дем алыў орынларын, олардың жер майданларын ҳәм сол жер майданларында жайласқан имаратларды басқаға берип жибериў (бийганаластырыў), мәдений дем алыў орынлары аймақларын қысқартыў, оларда имарат қурыў (жеңил конструкциядан тысқары) яки бар имаратлардың қурылыс асты майданын кеңейтиўди қадаған етиўши нызам жойбарын ислеп шыққан.

Жойбар ҳәзирги күнде партия фракциялары додалаўынан өткерилмекте.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 09:20


Пенсияны есаплаўда неше жыллық ис ҳақы есапқа алынады?

Министрлер Кабинетиниң 13.10.2022-жылдағы 592-санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртибиниң 78-бәнтине тийкар, жумыстағы тәнепислерге қарамастан ақырғы 10 жыллық мийнет искерлиги даўамындағы қәлеген избе из 5 жыл ушын (пенсия тайынлаўды сорап мүрәжат еткен адамның таңлаўына қарап) айлық ис ҳақы алынады.

☝️Яғный, пенсияның муғдарын есаплаўда пуқараның ақырғы 10 жыл даўамындағы жумыс стажының избе из келген қәлеген 5 жыллығында алған айлықлары есапқа алынады. Бунда қайсы 5 жыллық екенин пуқара өзиниң арзасында көрсетеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 09:00


2,3,4-klasslar ushın online test!

- Matematika - 10 soraw
- Inglis tili - 10 soraw

📝 Online test @edu_panda telegram kanalında boladı.

🚨Test waqtı búgin 20:00 de !

Xabardı 2,3,4-klass mektep oqıwshıları hám ata-analarına tarqatamız.

Kanalġa aġza bolıń👉🏻@edu_panda

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 06:25


Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлерине қандай мәселелер бойынша мүрәжат етиўге болады?

Видеороликте Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен қарап шығылатуғын мүрәжатлардың түрлери санап өтилген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Nov, 04:55


❗️Алыс аймақта ислеўши шыпакерлерге 2 млн сумлық үстеме төленеди

🔰Президенттиң 25.04.2022-жылдағы ПҚ-215-санлы қарарына көре:

✔️алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлери хәм шаңарақлық поликлиникаларда ислеп атырған барлық шыпакерлердиң ис ҳақысына қосымша 2 млн сум муғдарында ҳәр айлық үстеме төленеди.

✔️усы аймақлардан ипотека кредити тийкарында сатып алған жайының баҳасының 50% (БЕМның 500 есесине шекемги) бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Алыс ҳәм шетки аймақларға Қарақалпақстанның төмендеги аймақлары киреди:

Бозатаўда “Аспантай” ҳәм “Көксуў” АПЖлары;
Қоңыратта “Қарақалпақстан”, “Жаслық”, “Қырққыз”, “Сүўенли”, “Раўшан”, “Әжинияз”, “Хорезм” АПЖлары ҳәм “Елабад” ППЖ;
Мойнақта “Қазақдәрья”, “Қызылжар”, “Ҳәким ата” АПЖлары;
Тахтакөпирде “Қоструба”, “Қоңыраткөл”, “Белтаў” ҳәм “Мүлк” АПЖлары;
Төрткүлде “Ақ қамыс”, “Қумбасқан”, “Пахтаабат”, “Жамбасқала”, “Көкше”, “Отаўба” АПЖлары;
Қараөзекте “Қойбақ” АПЖ;
Әмиўдәрьяда “Назархан” АПЖ;
Тақыятаста “Сарайкөл” АПЖ;
Кегейлиде “Жалпақ жап”, “Көкөзек” АПЖлары;
Шоманайда “Бирлешик”, “Кетенлер” АПЖлары;
Хожелиде “Қумжыққын” АПЖ;
Нөкис районында “Кердер” ҳәм “Тақыр көл” АПЖлары;
Шымбайда “Қызылөзек” АПЖ;
Қанлыкөлде “Қосжап” АПЖ ҳәм “Жайхун” МПЖ;
Нөкис қаласында “Қаратаў” МПЖ;
Елликқалада “Чуқурқақ” МПЖ.

🔔 Постты медиклерге тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Nov, 16:35


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Эрманов Фарход Уразбаевич

Туўылған сәнеси: 30.04.1958
Туўылған орны: Әмиўдәря районы
Мағлыўматы: Жоқары
Питкерген:
1981-ж. Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизацияластырыў инженерлери институты;
1996-ж. Ташкент мәмлекетлик экономика университети.

Мийнет жолы:
1975-1976-жж. Әмиўдәря районы Манғыт қаласы профилактика-дезинфекциялаў бөлими хызметкери;
1976-1981-жж. Ташкент ирригатця ҳәм аўыл хожалығын механизацияластырыў инженерлери институты студенти;
1981-1983-жж. Әмиўдәря районы «Манғыт» хожалығы автомеханиги;
1983-1995-жж. Әмиўдәря районы «Манғыт» хожалығы бас инженери, директоры;
1995-1998-жж. Әмиўдәря районы ҳәкими;
1998-2002-жж. Әмиўдәря районы «Манғыт» хожалығы баслығы;
2002-2003-жж. Әмиўдәря районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша биринши орынбасары, районлық аўыл ҳәм суў хожалығы басқармасы баслығы;
2003-2004-жж. Әмиўдәря районы аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими баслығы;
2004-2004-жж. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша секретариаты баслығы;
2004-2010-жж. Қарақалпақстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министри;
2010-2018-жж. Беруний районы ҳәкими;
2018-2018-жж. Хорезм ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшысы;
2018-2022-жж. Хорезм ўәлаяты ҳәкими;
2022-ж. – ҳ.ў.ш. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ғәрезсизлик көшеси, 50-жай

Пуқараларды қабыллаў күнлери: Ҳәр ҳәптениң дүйшемби күни саат 16:00 ден 18:00 ге шекем Министрлер Кеңеси имараты, пуқараларды қабыллаў ханасында (1-қабат).

Дерек

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Nov, 11:55


⚡️2025-жылы шет тили 1-блок болған бағдарларға тапсыратуғын абитуриентлерден шет тили сертификаты талап етиледи

Президенттиң 24.05.2024-жылдағы ПП-81-санлы Пәрманына көре, 2025/2026-оқыў жылы қабыллаўынан баслап пәнлер комплексинде шет тили биринши пән ретинде белгиленген билимлендириў бағдарларына қабыллаў шет тилин билиў дәрежесин белгилеўши миллий яки халықаралық сертификат тийкарында әмелге асырылады.

❗️Бунда пәнлер комплексинде шет тили биринши пән ретинде белгиленген билимлендириў бағдарларына қабыллаўда шет тилинен тест сынақлары болмайды. Ал абитуриентлерден белгиленген дәрежедеги сертификат талап етиледи.

☝️Яғный, 2025-жылдан ендиги жылдан баслап жоқары оқыў орнына тестте биринши пән шет тили болатуғын бағдарға тапсыратуғын абитуриент шет тили сертификатына ийе болыўы мәжбүрий болады!

Қандай сертификат алыў керек? Сертификаттың дәрежеси қандай болыўы керек? деп қызыққанларға мына посттағы дизим менен танысыўды мәсләҳәт беремиз.

🔔 Постты абитуриентлерге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Nov, 08:55


⚡️120 млн сумлық турақ жай қурыў ҳәм оңлаў ушын кредитке арзалар 1-декабрден баслап қабылланады

❗️Көпшиликтиң көзлери төрт болып күтип отырған жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын «Мәкан жетилиги» усынысы тийкарында ажыратылатуғын 120 сумға шекемги кредитти алыў ушын арзалар 2024-жыл 1-декабрден баслап қабылланады.

🪟Кредит ҳаққында қысқаша мағлыўматлар:

✔️Кредит 120 млн сумға шекем, 20 жыллық мүддетке Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан 4% жоқары болған ставкада (ҳәзирги күнде 17,5% болады) жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын ажыратылады.

✔️Мәмлекет тәрепинен кредит алған пуқараға басланғыш төлемин қаплаў ушын алынған кредит муғдарының 15% муғдарында ҳәм процентлериниң бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши 5 жылы даўамында 12% тен артық бөлегине субсидия бериледи.

🏷️ Толығырақ мағлыўматлар мына жерде.

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Nov, 07:17


⚡️Бир қатар штатлар қысқарыўы есесине Социаллық қорғаў миллий агентлиги штатлары 5424 тен 9964 ке көбейди.

❗️Президенттиң 14.11.2024-жылдағы ПП-185-санлы Пәрманына тийкар, санатория типиндеги мектеп-интернатлардан 854 штат, ҳаял-қызлар белсендилеринен 3686 штат, мектеплердеги үгит-нәсиятшы лаўазымлары қысқарыўы есесине 2585 штат бирлиги, бағшалардағы 2896 штат бирлиги Социаллық қорғаў миллий агентлигине өткерилди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Nov, 06:31


Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

📊МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

🪙10 млн нан 300 млн’ға шекем микроқарыз

Мәселен, той бериўге яки Машина алыўға ҳәм басқада жетпей турған қәлеген мүтәжиңизге алсаңызда болады.

Оны 10 күнде яки 1 айда кайтарсаңыз да болады, тек алған күниңизге процент қосылады.

📅 6 айдан 1 жыл, 1,5 ҳәм 3 жыл мүддетке.

🪙 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.

📑 КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай график бойынша төлеп барасыз

☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Nov, 05:08


⚡️Рәсмий хабар: Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы өзгерди

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы лаўазымын Баходир Қурбонов ийеледи. Абдусалом Азизов Қәўипсизлик кеңесине тайынланды.

Абдусалом Азизов 2019-жыл февраль айынан баслап МҚХ баслығы лаўазымында ислеп келген.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Nov, 03:36


⚠️«Роддом»да сүйинши пул сорағанлар жуўапкершиликке тартылады!

❗️Егер туўыў үйинде ямаса мәмлекетлик емлеўханаларда коррупцияға дус келсеңиз (сүйинши пулы, пара ҳәм т.б.), "1003" қысқа номерине мүрәжәт етиң.

☝️Хабар бериўшиниң аты-жөни сыр сақланыўына кепиллик бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Nov, 18:27


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Сапарбаев Рустам Турсынбаевич

Туўылған жылы: 13.05.1982
Туўылған жери: Қоңырат районы
Миллети: өзбек
Мағлыўматы: жоқары
Оқыў орны:
2004-ж. Қарақалпақ мәмлекет университети
2008-ж. Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализ ҳәм перспективаны белгилеў Жоқары мектеби
Қəнигелиги: ҳуқықтаныўшы, политолог
Шет тиллерин билиўи: рус тили
Қосымша мағлыўматлар Аймақ:Төрткүл районы
Сайлаў округи: 18-санлы «Жанбасқала» сайлаў округи
Партиялылығы: Өзбекстан Халық демократиялық партиясы

МИЙНЕТ  ЖОЛЫ
2000-2004 жж. – Қарақалпақ мәмлекет университети студенти
2004-2005 жж. – Әскерий хызметте
2005-2006 жж. – “Устюртгаз” унитар карханасы юрисконсулъти
2006-2008 жж. – Өзбекстан Республикасы  Стратегиялық анализ ҳәм перспективаны белгилеў Жоқары мектебиниң тыңлаўшысы
2008-2021 жж. – Әскерий хизметкер
2021-2022 жж. – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары
2022-жыл 18-октябрьден – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары

Дерек

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Nov, 13:46


⚡️”Частный” бағша ҳәм мектеплер 2030-жылға шекем барлық салықлардан ҳәм жыйымлардан азат етилди

❗️Президенттиң 22.11.2024-жылдағы ПҚ-403-санлы қарарына көре, менен 2030-жыл 1-январға шекем мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлери:

барлық түрдеги салық (социаллық салықтан тысқары) ҳәм жыйымлардан азат етиледи;

оларда ислеўши сырт елли оқытыўшы ҳәм қәнигелер дәрамат салығын ҳәм социаллық салықты төлемейди.

☝️Сондай-ақ, 2030-жыл 1-январға шекем ”частный” бағша ҳәм мектеплердиң Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын төмендеги товар үскенелерине бажыхана төлемлери төленбейди (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары):

✔️заманагөй оқыў ҳәм лаборатория үскенелери;

✔️компьютер техникасы ҳәм бағдарламалық өнимлер;

✔️оқыў ва илимий-методикалық әдебиятлар, үскенелер ҳәм материаллық-техникалық ресурслар.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Nov, 12:22


⚡️Ашшыкөлде фламинго қусы бақланды

Ноябрь айының 23-сәнесинде ҚМУ оқытыўшысы И.М.Арепбаев хәм магистрант И.Қ.Турсынбаевлар тәрепинен Ашшыкөл көлинде қусларға бақлаў өткизилди. Қусларға бақлаў ўақтында көлде жалғыз журген жас Фламинго қусы дизимге алынды.

Фламингоның салмағы 3,5-4 кг ға жетеди. Қызылғазлар дузлылаў ҳәм сайыз суўлы көллерди хош көреди. Азықлық затын басын суўға тығып, таўып жейди.

Суў отлары ҳәм суў омыртқасызлары менен азықланады, артемияларды жақсы көрип жейди. Балық жемейди. Адамнан үркеди, адам бар жерде жасамайды.
2014 жыл май айында М.Жуманов, Я.Аметов, И.Арепбаевлар тәрепинен Өзбекистанда биринчи марте Судочье көлинде уя қурыўшы колониясы (3000 ға жақын уя, 7000 қус) табылған.

📕Статус: Сийрек, тәбийий кем ушырасатуғын түр. Өзбекистан Республикасы Қызыл китабына киргизилген(2019).

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Nov, 11:55


⚡️2025-жыл 1-январдан баслап айырым ҳуқықбузарлықлар ушын жәрийма ҳәм жазалар бийкар етиледи

Президенттиң 14.11.2024-жылдағы ПП-184-санлы Пәрманына көре, 2025-жыл 1-январдан баслап:

✔️пуқараларға исбилерменлик пенен жеке исбилермен ретинде дизимнен өтпестен шуғылланығы ушын жәрийма салынбайды;

✔️фискал белгилерин көрсетиў тәртибин бузыў жуўапкершиликке себеп болмайды;

✔️мәжбүрий санлы маркировкаланыўы белгиленген товарларды (өнимлерди) идентификациялаў қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў тәртибин бузыў ушын жуўапкершилик бийкар етиледи;

✔️хызметкерлер санын жасырыў жуўапкершиликке себеп болмайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Nov, 09:39


❗️Ҳүкиметтиң 722-санлы Бюджет мәкемелериниң хызметкерлерине ҳақы төлеў ҳәм штатлар кестесин қәлиплестириў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Nov, 08:05


⚡️Енди айырым пуқараларға адвокатлар бийпул хызмет көрсетеди

Министрлер Кабинетиниң 21.11.2024-жылдағы 774-санлы қарары менен Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсететуғын адвокатларды тартыў ҳәм оларға ҳақы төлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған.

📑Мәмлекеттиң есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында”ғы Нызамға бола мына жерде көрсетилген айырым пуқараларға мәмлекеттиң есабынан бийпул юридикалық жәрдем бериледи.

📨 Мәмлекеттиң есабынан юридикалық жәрдемнен пайдаланыў ушын пуқара жасаў жериндеги әдиллик бөлимине аўызеки, жазба яки электрон формада мүрәжат етеди:

🔹электрон формадағы мүражатлар “Юридикалық жәрдем” мәлимлеме системасы арқалы.

🔹аўызеки ҳәм жазба мүрәжатлар әдиллик бөлимине барған ҳалда бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Nov, 07:45


😁 Endi Smartfonlar - JUZIM bahasında!

🍇 Redmi Note 13 (6/128) - 7 858 sumnan
🍇 Redmi A3 (4/128) - 5 556 sumnan
🍇 HONOR X8b (8/128) - 9 830 sumnan
🍇 HONOR X7b (8/128) - 8 186 sumnan
🍇 TECNO Spark 30C (4/128) - 5 556 sumnan
🍇 TECNO Spark Go1 (3/64) - 3 255 sumnan*

*Barlıǵı 12 aylıq múddetli tólmge kúnlik tólew bahası esapqa alınǵan.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Ernazar Alakóz kóshesi, 60 (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q,Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A úy (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Nov, 12:56


texnomart кузнинг салқин кунларида қайноққина чегирмалар эълон қилди 🔥

22 ноябрдан 30 ноябргача – "Сариқ ҳафта" акциясини қарши олинг! Сифатли ва ишончли техникаларга 70% гача чегирмалар. Совутгичлар, телевизорлар, кир ювиш машиналари - барчаси фойдали нархларда.

Шошилинг, акция бор йўғи 9 кун давом этади ва маҳсулотлар ҳам тугаб қолиши мумкин! 🛍

Telegram | Instagram | Do’konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Nov, 12:10


💰Пән олимпиадасының III басқышында орын ийелеген оқыўшы қанша муғдарда пул сыйлығын алады?

Министрлер Кабинетиниң қарарына көре, тийкарғы олимпиаданың III (Қарақалпақстан Республикасы) басқышы жеңимпазларына төмендеги муғдарда бир мәртелик пул сыйлықлары бериледи:

➡️ 1-орын – БЕМның 6 есеси (ҳәзирде 2.250.000 сўм);

➡️ 2- орын –
БЕМның 4 есеси (ҳәзирде 1.500.000 сўм);

➡️ 3- орын –
БЕМның 3 есеси (ҳәзирде 1.125.000 сўм).

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Nov, 09:39


⚡️Енди толық мәмлекет тәмийнатындағы балаға ата-анасы тәрепинен төленип атырған алиментти бийкарлаўға яки азайтыўға жол қойылмайды

🚫Президенттиң Пәраманына көре, енди алимент төлеп атырған ата яки ананың материаллық жағдайына қарамастан мәмлекетлик яки мәмлекетлик емес мәкемелердиң толық тәмийнатында болған ер жетпеген балаға төленип атырған алимент муғдарын суд тәрепинен кемейтиўге яки оны алимент төлеўден азат етилмейди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Nov, 08:13


🍌 6,24 миллион долларға сатылған 1 дана банан

Италиялы художник Маурицио Каттелан дийуалға жапыстырылған бир бананнан ибарат сүўретин аукционда 6,24 миллион долларға сатты.

Сүўретти криптовалюталар бойынша бизнесмен Джастин Сан сатып алыпты. Оның айтыўынша ол жақын күнлерде бул бананды өзине сай көркем тәжирийбе ретинде жейди екен.

П/с: Мине саған европаша мәденият!

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Nov, 06:19


⚡️2025-жыл 1-марттан баслап жалғыз ата(ана)ға 3 жасқа шекемги баласы ушын материаллық жәрдем бериледи

💰Президенттиң 14.11.2024-жылдағы ПП-185-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-марттан баслап жалғыз ата(ана)ға бир перзенти ушын баласы 3 жасқа толғанға шекем мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине (бағшаға) бериў ушын БЕМның 1,5 есесине (562 500 сумға) шекем муғдарда материаллық жәрдем бериледи.

☝️Бунда балалар егизек болса, материаллық жәрдем егизеклериң ҳәр бири ушын бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Nov, 06:00


Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

📊МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

🪙10 млн нан 300 млн’ға шекем микроқарыз

Мәселен, той бериўге яки Машина алыўға ҳәм басқада жетпей турған қәлеген мүтәжиңизге алсаңызда болады.

Оны 10 күнде яки 1 айда кайтарсаңыз да болады, тек алған күниңизге процент қосылады.

📅 6 айдан 1 жыл, 1,5 ҳәм 3 жыл мүддетке.

🪙 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.

📑 КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай график бойынша төлеп барасыз

☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Nov, 04:47


Оқыўшы сабаққа дәптерсиз келгени ушын муғаллим жуўап бере ме?

💬 Пуқарадан сораў: «Мен мектепте математика пәнинен сабақ беремен. Айырым оқыўшылар дәптерим жоқ деп сабақ таярламай келебереди. Ким жуўап береди оқыўшы дәптер алып келиўине? Бундай жағдайда не ислеўим керек?».

Билимлендириў ҳаққындағы нызамшылыққа ҳәм мектеплердиң үлги режесине көре, оқыўшы сабаққа барлық оқыў қураллары менен келиўи керек.

❗️Бунда оның ата-анасы баланың билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратып бериўге миннетли.

⚠️Егер бул миннетлемелерди орынламаса яки орынлаўдан бас тартса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясына тийкар, ата-анаға 1,8 млн сумға шекем жәрийма салынады.

🚫Сондай-ақ, муғаллимлердиң лаўазым миннетлемелеринде оқыўшылардың сабаққа дәптер алып келиўин тәмийинлеў бойынша миннетлемеси белгиленбеген.

☝️Демек, оқыўшының сабаққа дәптерсиз келгени ушын муғаллим емес, ал оқыўшының ата-анасы жуўап береди. Бундай жағдайда оқыўшының ата-анасына хабар бериў керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Nov, 16:10


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Орынбаев Аманбай Тлеубаевич

Туўылған сəнеси: 17.09.1979
Туўылған жери: Кегейли районы
Миллети: қарақалпақ
Мағлыўматы: жоқары
Оқыў орны:
2002 ж. – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясы;
2004 ж. – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясы магистратурасы;
2011 ж. – Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализ ҳәм перспективаны белгилеў Жоқары мектеби
Қəнигелиги: ҳуқықтаныўшы, политолог
Шет тиллерин билиўи: рус тили
Қосымша мағлыўматлар
Аймақ: Шымбай районы
Сайлаў округи: 56-санлы «Бердақ» сайлаў округи
Мəмлекетлик сыйлықлары:
2013-ж.
– «Дўстлик» ордени
2015-ж. – «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист»
 
МИЙНЕТ  ЖОЛЫ
1996-1998-жж. – Кегейли районы қурылыс монтаж басқармасы жумысшысы
1998-2002-жж. – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиясы тыңлаўшысы
2002-2003-жж. – Кегейли районлық Ишки ислер бөлими милиция бөлиминиң жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў топарының оператив ўәкили
2003-2004-жж. – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Академиясы магистранты
2004-2006-жж. – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жынаят излеў ҳәм терроризмге қарсы гүресиў басқармасының аға оператив ўәкили
2006-2009-жж. – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жеке қурам бойынша арнаўлы инспекциясының оператив ўәкили
2009-2011-жж. – Өзбекстан Республикасы  Стратегиялық анализ ҳәм перспективаны белгилеў Жоқары мектебиниң тыңлаўшысы
2011-2012-жж. – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм нормативлик ҳүжжетлерди таярлаў бөлиминиң үлкен ҳуқық мәсләҳәтшиси
2012-2014-жж. – Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығының биринши орынбасары – жынаят излеў ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлими баслығы
2014-2016-жж. – Әмиўдәрья районлық Ишки ислер бөлими баслығы
2016-2017-жж. – Нөкис қалалық Ишки ислер бөлими баслығы
2017-2019-жж. – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жынаят излеў басқармасы баслығы
2019-2020-жж. – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары
2020-2021-жж. – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў бас басқармасы баслығының биринши орынбасары – жәмийетлик тәртипти сақлаўды шөлкемлестириў басқармасы баслығы
2021-2022-жж. – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жәмәәт қәўипсизлиги департаменти Пробация хызмети баслығы
2022-2022-жж. – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри
2022-2022-жж. – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары
2022-жыл 26-августтан – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Nov, 15:50


Алимент төлеўшиниң сырт елге шығыўына қойылған шеклеўди қалай бийкарлаў мүмкин?

🔰Нызамшылыққа көре, алимент төлеўшиниң сырт елге шығыўына сырт елге қойылған шеклеўди бийкар етиўдиң еки жолы бар:

1️⃣ Алиментти алдын ала төлеў.

Алиментти алдын ала 5 жылдан кем болмаған дәўирге төлеў керек. Балалар ер жеткенге шекем 5 жылдан аз ўақыт қалған болса, алдын ала төлеў қалған дәўир ушын әмелге асырылады.

📝 Алиментти алдын ала төлеў ушын мәжбүрий орынлаў бюросына төленетуғын сумманы есаплатыў ушын мүрәжат етиў керек.

2️⃣ Алимент бойынша гиреў шәртнамасын дүзиў.

🏠 Гиреў шәртнамасын дүзгенде гиреўге қойылған мал-мүлктиң баҳасы БЕМның 250 есесинен (85 млн сумнан) аз болмаўы керек. Гиреўге ҳәр қандай мал-мүлк (автотранспорт, дүкан, турақ жай ҳ.т.б.) қойылыўы мүмкин.

🔖 Гиреў шәртнамасы нотариуста дүзиледи.

☝️Мәжбүрий орынлаў бюросының алимент муғдары ҳаққындағы қарары яки гиреў шәртнамасы болса, алимент төлеўши судқа алиментти төлеў тәртибин өзгертиў ҳаққында арза береди.

Егер арза қанаатландырылса, алимент төлеўшиниң сырт елге шығыўына қойылған шеклеў алып тасланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Nov, 09:20


⚡️2025-жылы Өзбекстанның бюджет дефицити 49,3 триллион сумды қураўы күтилмекте

Өзбекстан Республикасының 2025-жылғы бюджет жойбарына көре, 2025-жылы консолидацияланған бюджет 49,3 трлн сум (жалпы ишки өнимниң 3%), 2026-жылы 55,5 трлн, 2027-жылы 64,1 трлн сум дефицит пенен прогноз етилмекте.

Бул дефицитти (49,3 трлн сумды) қаплаў ҳәм 46,1 трлн сумлық тийкарғы қарызды сөндириў ушын сырттан 57,1 трлн сум қарыз алыў ҳәм евробонд шығарыў жобаластырылған.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Nov, 07:29


⚡️Нөкисте таза поликлиника шөлкемлестириледи

Нөкис қаласы ҳәкиминиң 14.11.2024-жылдағы қарарына тийкар Нөкис қаласы, “Қутлы мәкан” МПЖ, Сахра көшеси, номерсиз жайда 11-санлы шаңарақлық поликлиникасы шөлкемлестириледи.

Бул қарар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 25.12.2023-жылдағы ПҚ-404-санлы қарары менен тастыйықланған мәнзилли режеге тийкар қабыл етилген.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Nov, 06:56


⚡️Tek ǵana 1 kún! 22-noyabr kúni idea'da MEGA SHEGIRMELER!

❗️- 70% TECNO Spark Go (4/128) - 179 000 53 700 sumnan
❗️- 70% Realme C30S (2/32) - 179 000 53 700 sumnan
❗️- 60% Redmi 13C (4/128) - 199 000 79 600 sumnan
❗️- 60% Vivo Y17s (4/128) - 229 000 91 600 sumnan
❗️- 60% Redmi Note 13 (6/128) - 299 000 119 600 sumnan
❗️- 70% Artel TV 32" - 159 000 47 700 sumnan
❗️- 70% Artel (HD-276) - 159 000 47 700 sumnan
❗️- 70% Shivaki GAZ - 199 000 59 700 sumnan
❗️- 40% Ssmart TV 43" - 229 000 137 400 sumnan
❗️- 40% Premier (PRM-350) - 499 958 299 975 sumnan ayiga*

*Asıǵıń, aksiya modelleriniń sanı sheklengen! Bul usınıs tek 22-noyabrge shekem ámel etedi!.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

-70% SHEGIRME | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Nov, 05:02


Жумыссызлық напақасы кимлерге бериледи?

💰 Жергиликли мийнет органы (биржа труда) тәрепинен жумыссыз деп тән алынған пуқаралар жумыссызлық напақасын алыўға ҳақлы.

📆 Жумыссызлық напақасы пуқараның жасаў жеринде Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры тәрепинен ол жумыс излеўши ретинде дизимге алынған күннен баслап есапланады ҳәм төленеди.

Жумыссызлық напақасы 12 айдың ишинде көби менен 26 календарь ҳәпте даўамында төленеди. Бунда напақа усы айда алдынғы ай ушын төленеди.

🔰 Жумыссызлық напақасы төмендеги муғдарларда төленеди:

👉 жумыстан ҳәм ис ҳақысынан ақырғы 12 ай ишинде айырылған пуқараларға
– алдынғы жумыс орнындағы орташа айлық ис ҳақының 50% муғдарында төленеди. Бирақ бул сумма мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан (1 155 000 сумнан) аз болмаўы ҳәм сол гездеги Өзбекстан бойынша орташа айлық ис ҳақы муғдарынан көп болмаўы керек.
Әскерий хызметтен, ишки ислер органларынан, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметинен, Миллий гвардия органларынан ҳәм басқа әскерий хызмет нәзерде тутылған мәкемелерден босатылған пуқаралар да усы муғдарда жумыссызлық напақасын алыўы мүмкин.

👉 жумыстан және ис ҳақысынан айырылған ҳәм бир жылдан артық тәнепистен кейин жумысқа орналасыўға ҳәрекет етип атырған пуқараларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының бир есеси (1 155 000 сум) муғдарында төленеди;

👉 алдын жумыс ислемеген ҳәм биринши мәрте жумыс излеп атырған пуқараларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының кеминде 75% муғдарында (866250 сум) төленеди.

❗️Егер жумыссыз пуқара кеселленсе, напақаны оның жақын туўысқанлары (ата-анасы, өмирлик жолдасы, ер жеткен балалары) ямаса исеним хат арқалы басқа шахслар алыўы мүмкин.

☝️Жумыссызлық напақасын алыў дәуиринде пуқара жумыс излеўи ҳәм жумысқа орналасыў ушын жолламаны ямаса кәсипке таярлаў, қайта таярлаў яки маманлығын арттырыўға жолламаны алыў ушын ҳәр еки ҳәптеде бир мәрте жергиликли мийнет уйымына барып турыўы керек. Бул талаплар кеширимли себеплерсиз орынланбаған жағдайда напақа 3 айға шекемги мүддетге тоқтатылыў ямаса напақаның муғдары кемейтирилиўи мүмкин.

♻️ Жумыссызлық напақасынан дәрамат салығы өндирилмейди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

20 Nov, 18:00


🔈Быйыл қайсы қала яки район ҳәкимлиги “Ең белсенди ҳәкимлик” атағына ылайық?
 
💬Халық ушын каналы Kar24.uz сайты менен биргеликте 2024-жылдың ең белсенди ҳәкимлигин анықлаў бойынша таңлаў өткермекте.

✔️Таңлаўда быйыл ең белсенди, халыққа жақын болып, машқалаларын шешиўде ҳәм талапларын әмелге асырыўда жетекши болған, басқаларға өрнек көрсете алған қала яки район ҳәкимлиги анықланады!

👑Таңлаўда жеңимпаз болған қала яки район ҳәкимлиги қымбат баҳалы ҳәм арнаўлы саўғалар менен сыйлықланады!

☝️Өз районыңыз яки қалаңыз ҳәкимлиги жумысын баҳалаң!
 
⬇️Даўыс бериў ушын төмендеги ботқа кирип старт түймесин басың
👉@kar24uz_tanlov_bot👈

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

20 Nov, 15:23


"Процентке пул бериў" ҳуқықбузыўшылықпа?

Пуқаралық кодексиниң 734-статьясы
на көре, пуқаралар қарызға пул берген жағдайда, қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада көрсетилген муғдарда ҳәм тәртипте процентлер алыў ҳуқықына ийе.

❗️
Демек, қарызды проценти менен қайтарып алыў хуқықбузыўшылық емес, яғный нызамда руқсат етилген.

📨 Юристке сораў бериў
👉 @yurist_jardemi

👉 @XALIQ_USHIN - рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар!

XALÍQ USHÍN ⚖️

20 Nov, 10:47


⚡️Метан заправкаларда газ бар-жоқлығын онлайн тексерип көриў имканын бериўши қосымша иске түсирилди

“Avto24” - жанылғы қуйыў, газ толтырыў ҳәм электр қуўатлаў шақапшалары ҳаққында мағлыўмат бериўши қосымша тест режиминде иске түсирилди.

Пайдаланыўшылар бул қосымшаны Android ҳәм iOS операцион системалары арқалы ешейин жүклеп алыўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

20 Nov, 10:28


😁 Endi Smartfonlar - JUZIM bahasında!

🍇 Redmi Note 13 (6/128) - 7 858 sumnan
🍇 Redmi A3 (4/128) - 5 556 sumnan
🍇 HONOR X8b (8/128) - 9 830 sumnan
🍇 HONOR X7b (8/128) - 8 186 sumnan
🍇 TECNO Spark 30C (4/128) - 5 556 sumnan
🍇 TECNO Spark Go1 (3/64) - 3 255 sumnan*

*Barlıǵı 12 aylıq múddetli tólewge kúnlik tólew bahası esapqa alınǵan.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Ernazar Alakóz kóshesi, 60 (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q,Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A úy (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q,Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

13 Nov, 14:10


💵 Дүньядағы триллионер компаниялар

Базар капиталы триллион доллардан артық болған компаниялардың ишинде алтыннан кейин Nvidia компаниясы 3,56 трлн. доллар менен жетекшилик етип келмекте.

Bitcoin гүмисти артта қалдырып дүньядағы ең ири сегизинши активке айланды.

Ҳәзирги ўақытта криптовалютаның баҳасы 89 мың доллар әтирапында. Бул болса оның базар капиталын 1,76 трлн доллардан арттырады.


👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

13 Nov, 12:20


⚡️Ипотека банк кассалары 1-декабрден баслап коммунал хызметлер ушын төлемлерди қабылламайды ҳәм барлық төлемлерге 3% комиссия енгизиледи

2024-жыл 1-декабрден баслап Ипотека банктың майда операция кассаларында коммунал төлемлерди қабыллаў тоқтатылады.

❗️Сондай-ақ, кассаларда барлық түрдеги төлемлер ушын 3% хызмет ҳақы услап қалынады ҳәм 20000 сум минимал муғдары белгиленеди.

☝️Коммунал төлемлерди электрон платформалар, яғный банктың “Ipoteka mobile” қосымшасы ҳәм банкоматлар арқалы ешейин әмелге асырыў имканы сақлап қалынады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

13 Nov, 12:00


🆘 DÍQQAT JUMÍSQA SHAQÍRÍP QALAMÍZ🆘

"idea" Xojaliq texnika hám elektronika dúkanlar tarmaǵı⚡️
📌Nókis, Qońırat, Beruniy📌
filiallarına jumısqa shaqırıp qalamız!!!

Bos jumıs orınları:
🔴Satıwshı-máslahátshi;
🔴Shártnama Menedjeri;
🔴Sawda agenti;

Jumıs tártibi:
🔴 5 jumıs kúni hám 2 kún dem alıs
🔴 Jumıs waqtı saat 09:00 den 20:00 ge shekem

Kompaniya tárepinen:
➡️ Ózbekstan Respublikası Miynet kodeksine tiykarlanıp nızamli túrde jumısqa qabıl etemiz;
➡️ Miynet haqı waqtında beriledi;
➡️ Miynet dem alısı;
➡️ Kepillengen mártebe ósiwi direktorǵa shekem;
➡️ Miynet haqı: Belgilengen is haqı + bonus 10 000 000 sumǵa shekem;
➡️ Qosımsha bonuslar;

Oqıytuǵın studentler qabıl etilmeydi.

➡️ @idea_jbot házir-aq arza qaldırıń! 🔥
(Jumıs orınları sheklengen)

XALÍQ USHÍN ⚖️

13 Nov, 10:44


⚡️Ҳәр жылы санитар тазалаў ҳәм абаданластырыўдан 100 хызметкердиң перзенти яки ақлығының контрак пулларын мәмлекет төлеп береди

Ҳүкиметтиң 16.08.2024-жылдағы 514-санлы қарарына тийкар ҳәр жылы 1-ноябрға шекем «Тәбият уйғынлығы қорғаўшысы» таңлаўы өткериледи.

🗂️ Таңлаўда қатнасатуғын хызметкерлер дизимин санитар тазалаў кәрханалары ҳәм абаданластырыў басқармалары баслықлары Өзбекстан Республикасы Экология министрлигине хәр жылы 1-октябрге шекем береди.

☑️ Жеңимпазды анықлаў ушын белгиленген талаплар ҳәм қойылатуғын баллар жоқарыда көрсетилген фотода толық берилген.

❗️Таңлаўда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан барлығы болып 100 хызметкер жеңимпаз деп табылады.

🗓️ Танлаў жеңимпазлары 15-ноябрға шекем анықланады.

💰Ҳәр бир жеңимпаз хызметкердиң мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген перзентлери ямаса ақлықларының 1 жыллық контракт суммасы, бирақ БЕМның 30 есесинен (1-октябрден 11,2 млн сум) көп болмаған бөлеги төлеп бериледи.

☝️Бунда студентлер оқыўды питкергеннен кейин мәмлекетлик мәкеме яки шөлкемде кеминде 3 жыл ислеў миннетлемесин алады.

📑 Таңлаўды өткериў тәртиби ҳәм шәртлери мына файлда.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

13 Nov, 10:20


#ТEЗКОР

❗️Televizorlarǵa -40% ke shekem shegirmeler baslandı:

⚡️-40% Shegirmede - PREMIER 32" - 61 200 sumnan
⚡️-40% Shegirmede - Ssmart - 77 400 sumnan
⚡️-40% Shegirmede - SHIVAKI - 131 400 sumnan
⚡️-30% Shegirmede - PREMIER 43" - 167 300 sumnan
⚡️-30% Shegirmede - PREMIER 50" - 258 860 sumnan
⚡️-40% Shegirmede - SAMSUNG 43" - 293 400 sumnan
⚡️-20% Shegirmede - SHIVAKI 43" - 239 200 sumnan ayina*

*Bunday akciya tek 17-noyabrge shekem!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q,  Ernazar Alakóz kóshesi, 60 (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q, Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A úy (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

13 Nov, 09:34


⚡️Турақ жай субсидиясын бериў ушын пуқараларға қойылатуғын талаплар өзгерди

Министрлер Кабинетиниң 11.11.2024-жылдағы 749-санлы қарарына тийкар, пуқараларға ипотека кредитлери бойынша субсидия ажыратыў ушын төмендеги критерийлер ислеп шығылған:

1️⃣ Пуқара ҳәм/яки оның шаңарағының дәраматы:

Қарақалпақстанда ҳәм ўәлаятларда:

▪️МҲЕКМның 2,7 есесинен (3118500 сумға) 7 есесине (8085000 сумға) шекем болғанда - 10 балл;

▪️МҲЕКМның 7 есесинен (8085000 сумнан) 8 есесине (9240000 сумға) шекем болғанда - 5 балл.

2️⃣ Ҳәзирги турақ жайы статусы.

Пуқара яки оның шаңарағына тийисли мүлк яки турақ жайының жоқлығы - 20 балл.

3️⃣ Социаллық қорғаўға мүтәж айырым пуқаралар:

"Labor-Migration" бағдарламасынан дизимнен өткен мийнет мигранты болса - 10 балл;

Алыс ҳәм шетки аймақларда басқа аймақлардан келип жумыс ислеп атырған жоқары мағлыўматлы қәнигелер яки педагоглар, қәнигелестирилген пәнлерден сабақ бериўши оқытыўшылар яки тәжирийбе өткерип атырған оқытыўшылар ҳәм билимлендириў усталары болса - 5 балл;

Жаслар категориясына кириўшилер (30 жасқа шекем) болса - 5 балл;

Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған пуқаралар (жалғыз аналар, майыплығы болғанлар, жетим-жесирлер болса - 5 балл.

4️⃣Медициналық-социаллық эксертиза” электрон системасынан дизимнен өткенлер болса - 5 балл.

☝️
Барлық критерийлер бойынша максимал балл 35 балл.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

13 Nov, 06:38


Мектеп директорының орынбасары неше саатқа шекем сабақ алыўы мүмкин?

Министрлер Кабинетиниң 275-санлы қарарына тийкар, халық билимлендириў мәкемесиниң басшы хызметкери тәрепинен тийкарғы лаўазымына ҳәптесине 10 саатқа шекем оқытыўшы лаўазымын қосып алып барыўға (оқыў жүклемесин орынлаўға) руқсат етиледи.

☝️Демек, мектеп директоры ҳәм орынбасарлары ҳәптесине 10 саатқа шекем сабақ бериўи мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

13 Nov, 06:19


#сиз_ушын_пайдалы

⁉️ Зыянкеслерден қутылыўдың нәтийжели усылын билесиз бе?

Билесиз, зыянлы жәнликлер  атыз өнимлериниң зүрәәтине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетеди. Кейинги ўақытлары буған қарсы гүресиў ушын биологиялық усыллардан кең пайдаланылмақта.

Қәнигелердиң сөзлерине бола, буған қарсы гүресиўде алтынкөзден пайдаланыў жақсы нәтийже береди.

Толық мағлыўмат пенен жоқарыдағы видео арқалы танысыўыңыз мүмкин.

📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.

XALÍQ USHÍN ⚖️

13 Nov, 04:01


❗️Сырт елде ислеп жүрген мигранттың пенсия жасындағы яки майыплығы болған шаңарақ ағзаларына санаторийға ешейин жоллама бериледи

Президенттиң 01.03.2022-жылдағы ПҚ-149-санлы қарарына тийкар, мийнет миграциясына сырт елге шығып кеткен пуқараның Өзбекстарда оның менен бирге жасайтуғын пенсия жасындағы ямаса I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына кәсиплик аўқамлары системасындағы санаторий ҳәм профилактикалық емлениў мәкемелерине бир мәртелик ешейин жоллама бериледи.

☝️Бул жолламаны алыў ушын сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқара «Labor migration» бағдарламасынан дизимнен өткен болыўы керек.

📲Жолламаны алыў ушын пуқаралар Бәнтлик министрлигине «Labor migration» бағдарламасы арқалы мүрәжат етеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

12 Nov, 15:42


⚡️Майыплығы болған шахсларға жер участкасын сатып алыўы ушын 37,5 млн сумға шекем бир мәртелик жәрдем пулы бериледи

🔰Министрлер Кабинетиниң 23.03.2023-жылдағы 122-санлы қарарына тийкар, жер участкасын аукцион арқалы сатып алыў қәрежетлеринен келип шыққан ҳалда, майыплығы болған шахсқа БЕМның 100 есесине (37,5 млн сумға) шекемги муғдарда бир мәртелик пул ажыратылады.

❗️Бул жеңилликтен төмендеги талапларға жуўап беретуғын шахслар пайдалана алады:

🔹ақырғы 12 ай даўамында өзи ямаса шаңарақ ағзаларының атында жасаў ушын мөлшерленген турақ-жай ямаса жер участкасы бар болмаған;

🔹жер участкасы ақырғы 3 ай ишинде аукцион арқалы сатып алынған ҳәм Өзбекстан аймағында болған;

🔹майыплығы болған шахс деп табылған, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»ниң биреўине кирген болыўы керек.

📝 Жеңиллик алыў ушын арза «Инсан» социаллық хызметлер орайы ямаса my.gov.uz сайты арқалы бериледи.

🗓 Арза жер участкасын сатып алған күннен баслап 3 айдың ишинде берилиўи керек.

🚫 Арза бериў ушын төлем өндирилмейди.

💰Арза қанаатландырылған жағдайда пул пуқараның пластик картасына арза берген кейинги айдың биринши 10 күнлигинде өткерип бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

12 Nov, 15:11


NUKUSDA HINDISTONLIK NEFROLOG VA PEDIATR (ortoped) KONSULTATSIYALARI

16-noyabr kuni Nukusdagi Grand Med Servis klinikasida Hindistonning BUYRAK va BOLALAR KASALLIKLARI (pediatriya), hamda BOLALAR va KATTALARDAGI ORTOPEDIK KASALLIKLAR bo'yicha eng ilg'or va peshqadam klinikasi bo'lgan Apollo Hospitals klinikasining eng tajribali shifokorlarning konsultatsiyalari bo'lib o'tadi.

Manzil: Grand Med Servis klinikasi, Nukus sh., Tan Nuri, 175. Mo'ljal: ResGaz, Jumanji

☎️ 90 830-21-23, 90 830-21-24

Instagram | Facebook | Telegram

XALÍQ USHÍN ⚖️

12 Nov, 14:32


Турақ жайды магазинге яки кафеге айландырыў ушын қандай талаплар белгиленген?

Министрлер Кабинетиниң 20.04.2022-жылдағы 200-санлы қарарына тийкар, төмендегилер турақ жайды турақ емес жай категориясына (дүкан, кафе яки басқа жасаўға мөлшерленбеген жайға) өзгертиў ушын төмендеги талаплар белгиленген:

🔸турақ жай авария жағдайында болмаўы;

🔸турақ жайды басқа шахсқа өткериўге қадаған қойылмағанлығы яки ол хатлаў қылынбағанлығы;

🔸турақ жай биринши этажда жайласқанлығы (жер жайдан басқа);

🔸объекттиң конструкциясына зыян көрсетиўши өзгерислер киргизбеў;

🔸объектте эвакуация жолларының саны ҳәм жайласыўының өзгермеўи;

🔸турақ жай анық мақсетли коммунал үй-жай фондына кирмеўи;

🔸айрықша кириў жерин жаратыў имканы болыўы;

🔸шуғылланыў режелестирилген жумыс Министрлер Кабинетиниң 24.01.2000-жылдағы 22-санлы қарары менен тастыйықланған дизимдеги искерлик түрлерине қайшы келмеўи керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

12 Nov, 12:10


⚡️“ГАИ”диң штрафы бойынша онлайн шағымды қабыллаў хызмети иске түсти

my.gov.uz порталы арқалы Жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўы бойынша шығарылған қарарлар ҳәм жиберилген хабарнамалар бойынша Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметине электрон тәртипте шағым етиў хызмети иске түсти.

📝 Жиберилген шағым арзалары жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети тәрепинен 10 жумыс күни ишинде қарап шығылады.

❗️Мүрәжат қарап шығылып атырған ўақыт даўамында жәрийма ушын белгиленген шегирме мүддети тоқтатып турылмайды.

Егер шағым орынлы деп табылса, жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 271-статьясына тийкарланып ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумыс жуўмақланады.

☝️Яғный, жәрийма қәте салынған болса, сол онлайн арза тийкарында жәрийма бийкарланады, бунда судқа берип отырыуға қәжет қалмайды. Егер бул жол менен де жәрийма бийкарланбаса, айдаўшы судқа шағым етиўи мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

12 Nov, 11:48


#ТEЗКОР

Televizorlarǵa -40% ge shekem shegirmeler baslandı:


⚡️-40% Shegirmede - ARTEL 32" - 77 310 sumnan
⚡️-40% Shegirmede - Ssmart 32" - 77 400 sumnan
⚡️-40% Shegirmede - SHIVAKI 43" - 131 400 sumnan
⚡️-30% Shegirmede - PREMIER 43" - 167 300 sumnan
⚡️-40% Shegirmede - LG 55" - 347 400 sumnan
⚡️-40% Shegirmede - Samsung 55" - 383 400 sumnan ayina*

*Bunday shegirme tek 17-noyabrge shekem!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q,  Ernazar Alakóz kóshesi, 60 (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q, Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A úy (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

12 Nov, 10:58


Кимлер “қызыл паспорт”қа пул төлемейди?

Мәмлекетлик бажы хаққында”ғы Нызамға тийкар, төмендегилер сырт елге шығыў ушын биометриялық паспортты алыўда мәмлекетлик бажыдан азат етиледи:

✔️сырт елдеги жақын туўысқанлары қайтыс болғанда ямаса олар жерленген жерди зыярат еткенде;

✔️пуқаралар сырт ел судларында тәреп, гүўа ҳәм эксперт ретинде қатнасыў ушын шақырылғанда;

✔️балаға ҳәм оның қасындағы қарап жүриўши шахсқа сырт елде медициналық жәрдем көрсетилгенде яки операция исленгенде;

✔️бала илим-пән, билимлендириў, спорт яки мәденият тараўлары бойынша сырт елде таңлаўда ямаса илажда қатнасқанда;

✔️кем тәмийинленген шаңарақ ағзасына сырт елде медициналық жәрдем көрсетилгенде яки операция исленгенде.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

12 Nov, 09:28


⚡️Свет ҳәм газдың қымбатлаўы себепли кем тәмийинленген ҳәм айырым жәрдемге мүтәж шаңарақларға мәмлекет тәрепинен компенсация бериледи

💰Ҳүкиметтиң 16.04.2024-жылдағы 204-санлы қарарына тийкар, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ушын октябрь-февраль айларында кем тәмийинленген ҳәм айырым жәрдемге мүтәж шаңарақларға төмендеги компенсациялар төленеди:

👉 ноябрь айында бир мәртелик 270 мың сумлық жәрдем пулы;

👉 тәбийий газден 500 куб метрден артық пайдаланған 250 куб метрге шекемги бөлегине;

👉 электр энергиясынан 200 кВт/сааттан артық пайдаланған 150 кВт/ссатқа шекемги бөлегине компенсация төленеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

09 Nov, 11:43


⚡️ Тәлим кредити бойынша әҳмийетли мағлыўматлар

🔰Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-августтағы 527-санлы қарарына муўапық, тәлим кредити мәмлекетлик, меншик оқыў орынларына ҳәм сырт ел оқыў орынларының филиалларына күндизги формасына бакалавриат ҳәм магистратураға төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген ямаса оқыўын көширген Өзбекстан пуқараларына ажыратылады.

🚫 Кредит төмендеги жағдайларда ажыратылмайды:
🔻«супер контракт»ты төлеўге;
🔻сырт ел пуқараларына;
🔻пуқаралығы болмаған шахсларға.

⚠️Тәлим кредити студентлер хәм оқыўшыларға төмендеги шәртлерде бериледи:

👉 ЖООның 1-курс студентлерине ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери оқыўшылары ушын төлемли контракт суммасы муғдарында;

👉 ЖООның екинши ҳәм оннан жоқары курс студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши ”3”тен пәс болған жағдайда контракт суммасының 80% муғдарында ажыратылады.

☝🏻Бунда Кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары болған студентлер хәм оқыўшылар ушын бул шеклеўлер тәсир етпейди.

💰Кредит проценти 13,5%. Ҳаял-қызлар ушын кредит процентсиз ажыратылады.

📆 Төлеў мүддети: кредит алынған ўақыттан баслап кредиттиң проценти төлеп барылады, ал кредиттиң тийкарғы бөлеги студенттиң оқыўы рәсмий тамамланған күннен кейинги жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады.

♻️ Кредит алыўда студенттиң дәраматы бар болған шаңарақ ағзалары да биргеликте кредит алыўшы ретинде қатнасыўы мүмкин.

📝Сондай-ақ, быйылғы оқыў жылынан баслап тәлим кредитин алыў ушын арзаны my.gov.uz арқалы бериў имканы жаратылады.

🗂️ Тәлим кредитин алыў ушын усы банклерге төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыў керек:

🔸арза;
🔸студент пенен оқыў орны ортасында дүзилген шәртнама ҳәм оған қосымша есап бети (фактураси). Шәртнамада оқыўдың жуўмақланатуғын ўақты ҳәм бир жыл ушын контракт пулының муғдары көрсетилиўи керек.
🔸гиреў шәртнамасы. Кем тәмийинленген (“Социаллық қорғаў бирден бир реестри”не кирген) шаңарақ ағзаларынан гиреў ҳәм кепиллик соралмайды.
🔸Кем тәмийинленгенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
🔸биргеликте кредит алыўшы шахслардың ҳүжжетлери ҳәм мағлыўматлары;
🔸банктың ишки кредит сиясаты бойынша талап етилетуғын басқа ҳүжжетлер.

Банк арзаны 5 жумыс күнинде қарап шығып кредит ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Кредит шәртнамасы бир жылға дүзилип, кейинги жыллар ушын қосымша келисим дүзип барылады.

❗️Тәлим кредити бойынша төмендеги банклер кейинги ҳәптеден арза қабыллап атыр:

— Агробанк
— Ҳамкорбанк
— МКБанк
— Саноатқурилишбанк
— Бизнесни ривожлантириш банки
— Халқ банки
— Миллий банк
— ОФБ
— Туронбанк.

👉 Мағлыўмат ретинде, 1-курслар ушын контракт пулын төлеў мүддети 1-декабрге шекем узайтырылды.

🔔 Постты студентлерге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

09 Nov, 11:21


❗️Tek 10-noyabrge shekem! Muzlatqıshlar Bazar bahasında + 32 Smart Tv Sawǵaǵa!

idea dúkanlarında Premier 317 litrlik Muzlatqıshtı satıp alın ham 32 Smart Tvni ulıwma biypul Sawǵaǵa alasız:

🏷 Premier 317 (Oq) 624 917 sumnan + 32 Smart Tv Sawǵaǵa
🏷 Premier 317 (Qora) 666 583 sumnan + 32 Smart Tv Sawǵaǵa
🏷 Premier 317 (Stalnoy) 708 250 sumnan + 32 Smart Tv Sawǵaǵa
🏷 Premier 317 (Silk Stalnoy) 724 917 sumnan + 32 Smart Tv Sawǵaǵa

Barlıǵın 12 aylıq múddetli tólemge hám baslanǵısh tólemlersiz alıwıńız múmkin!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q,  Ernazar Alakóz kóshesi, 60-jay (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q, Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A-jay (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

09 Nov, 09:32


⚡️"Әжинияз" көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтеди

"Қарақалпақфильм" киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған "Әжинияз" көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтеди.

Фильм премьерасы 16-ноябрь күни саат 18.00де Қарақалпақстан көркем өнер сарайында өткериледи.

Премьераға кириў бийпул

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

09 Nov, 08:00


⚡️Ғалабалық илажларда азық-аўқат яки затларды бийпул ямаса дым арзан баҳада тарқатыў қадаған етиледи

Ҳүкиметтиң 28.06.2024-жылдағы 360-санлы қарарына тийкар, ғалабалық илажларға (концерт, фестиваль ҳ.т.б.) пуқараларды реклама, акция ҳәм басқа мақсетлерде азық-аўқат, буйымлар ҳәм де өнимлерди бийпул тарқатыў ямаса дым төмен баҳада сатыў арқалы тартыў қадаған етиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

09 Nov, 07:40


#сиз_ушын_пайдалы
Атыздан еки есе мол өним алыў жолын билесиз бе?

Мәлим болыўынша, тереклер менен қоршалған атызлардан басқаларына қарағанда көбирек өним алыў мүмкин.

Өйткени олар самалдың жолын тосып, атыздың ығаллығын сақлап турады. Қурғақшылық, суў кем болған жылларда бул усыл жақсы пайда береди.

📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.

XALÍQ USHÍN ⚖️

09 Nov, 06:05


❗️АҚШтың таза Президенти барлық мигрантларды массалық түрде депортация қылыўға ўәде берген

Ол BBC’ге берген интервьюында “Бизде негизи таңлаў имканы жоқ” деген.

Трамп Байден администрациясының “жүдә жумсақ” сиясаты АҚШтың үшинши дүнья мәмлекетине айланыўына алып келгенин бир неше мәрте айтқан.

Сондай-ақ, Трамп “Грин карта”ға шеклеў қойыўы мүмкин. Бирақ, АҚШта оқыўшы шет ел пуқаралары ушын әлбетте сол жерде ислеп қалыў имканын бериў кереклигин айтқан.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

09 Nov, 04:05


⚡️Енди «ЖЭК»лер пуқарадан қарызды өндириў бойынша судқа арза бергенде мәмлекетлик бажы төлемейди

❗️07.11.2024-жылы қабыл етилген Нызамға көре, көп квартиралы жайларды басқарыўшы компаниялар яки ЖМЖМШ (халық тилинде “ТСЖ” яки “ЖЭК”лер) пуқаралардан оларға ҳәр айда төлениўи керек болған пулдан қарызын өндириў ушын судқа арза бергенде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилиўи белгиленди.

💰Алдын “ЖЭК”лер пуқарадан қарызын өндириў ушын сол қарыз суммасынан келип шығып мәмлекетке бажы пул төлейтуғын еди. Сонлықтан айырым “ЖЭК”лер судқа арза бериўди қәлемейтуғын еди.

☝️Буннан былай барлық қарызын өндире алмай жүрген “ЖЭК”лер ғалабалық түрде судларға мүрәжат етиў итималлығы жоқары!

Нызам күшке кирди.

💡Нызамшылық бойынша, көп квартиралы жайларда (дом) жасаўшы пуқаралар сол жайдың сақланыўы ҳәм оңлаў жумыслары ушын сол жай бириктирилген басқарыўшы компанияға (ЖЭКке) ҳәр айда квартираның көлеминен (м.кв) келип шығып мәжбүрий төлем төлеўи керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 16:29


❗️Балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынлаўда кимлерден «биржа труд»та дизимнен өтиў яки өзин өзи бәнт етиў талап етилмейди?

🚫 Нызамшылық бойынша, бәнтликке көмеклесиў орайында («биржа труд») дизимнен өтпеген яки өзин өзи бәнт етпеген ағзасы болған шаңараққа балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынланбайды.

⚠️ Бирақ, бул талап жоқарыдағы дизимде көрсетилген пуқараларға тийисли емес, яғный бул дизимдеги пуқаралар балалар напақасын яки материаллық жәрдемди алыуы ушын бәнтликке көмеклесиў орайында дизимнен өтиўи, өзин өзи бәнт етиўи яки ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнасыўы шәрт емес.

☝️Мәселен, "Инсан" орайлары арза бериўшиниң шаңарағында усы дизимдеги шахслар болса, оларға "жумыссыз ретинде дизимнен өтпеген, өзин өзи бәнт етпеген, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнаспаған" деген себеп пенен напақа яки материаллық жәрдем тайынлаўдан бас тартыўға хақылы емес.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 15:55


⚡️Ўатанласларымызды қызықтырыўшы айырым мағлыўматларды саралап жыйнадық

Жай ремонты ямаса таза жай қурыўға 120 млн сумлық жеңиллетилген кредит алыў ушын қайерге хабарласыў керек?

“Незаконно” қурылған жайға яки магазинге кадастр ислетип алыўға болама?

Балалар напақасы қандай жағдайларда тоқтап қалады?

“Мусор”дан қарызы бар пуқаралар электр энергиясынан үзиле ме?

Алиментти төлеўди тоқтатыўға қандай арза жазылады?

❗️Усы ҳәм басқа турмысыңызда ушырасатуғын әҳмийетли сораўларға ҳәм машқалаларға жуўапларды усы каналдан табасыз!

Ҳуқықларыңызды билип барыў ушын төмендеги “Подписаться” түймесин басың 👇👇👇

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 14:28


❗️Енди пуқараның абыройын төгиўши жалған (өсек) гәплерди тарқатыў ямаса телефонын (аккаунтын) блоклап таслаў менен қорқытып пул талап етиў жынаят есапланады

⚠️ Жынаят кодексине 19.01.2024-жылдағы 899-санлы Нызам менен киргизилген қосымша ҳәм өзгерислерге бола, буннан былай жәбирлениўшиниң мәлимлеме ресурсын жоқ етиў, өзгертиў, ийелеп алыў яки тосып қойыў, оның абыройын төгиўши (шерменде етиўши) жалған (өсек) гәплерди тарқатыў менен қорқытып мулк талап етиў де жынайый жуўапкершиликке себеп болады.

Бул нени аңлатады?

💡Мысалы ушын, бүгинги күнде пуқараны оның телефонын, Телеграм, Фейсбук, Инстаграм яки басқа социаллық тармақтағы аккаунтын (бетин) блоклап таслаў, өзгертиў яки ийелеп алыў менен қорқытып пул талап етиў социаллық тармақларда көбирек ушырасып атырған жағдайлардан бири.

Сондай-ақ, пуқара ҳаққында жалған мағлыўматты яки фотоларын «монтажлап» тарқатыў менен қорқытыў арқалы пул өндириў жағдайлары да көп ушырасады.

Бирақ, алдын сондай ҳәрекетлер ушын жуўапкершиликти белгилеўши Жынаят кодексинде анық статья жоқ еди.


🚷 Ендигиден былай жоқарыдағыдай ҳәрекетлер ушын пуқараларға 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 12:12


❗️Перзентиңиздиң сүўретлерин Интернетке жайластырмаң!

👤Батыс қәнигелериниң пикиринше, “шерентинг” ҳәдийсеси, яғный ата-аналар өзлериниң перзентлериниң сүўретлерин ҳәм видеоларын Интернетке тез-тезден жайластырып барыўы балаларға үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин.

▫️Бириншиден, оның қәўипли тәреплериниң бири балалардың фото яки видеолары келешекте олардың өзлерине қарсы қолланылыўы мүмкин.

Мысал ушын, перзентиңиз үлкейип сиясий лаўазымларға көтерилгенде оның күлкили фотолары яки видеолары күтилмегенде социаллық тармақларда пайда болып қалыўы мүмкин.

▫️Екиншиден, перзентлериңиздиң бахытлы ҳәм қуўанышлы демлери түсирилген сүўретдер жынаятшылардың итибарын тартыўы мүмкин.

▫️Үшиншиден, перзентлериңиздиң сүўретлери “урланып” жаман нийетли адамлар (педофиллар) ушын арналған каналларға жайластырылыўы мүмкин, бул болса оларды сондай адамлардың потенциал “жәбирлениўшисине” айландырыўы мүмкин.

▫️Төртиншиден, перзентлериңиз ҳаққындағы қосымша жеке мағлыўматлар алдаўшылар ушын жақсы “дузақ” ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.

▫️Бесиншиден, бала балалығынан басқалардың итибарын қаратыў ушын сүўретке түсип үйренсе, келешекте ол бәрқулла басқалардың итибары ҳәм тән алыўына мүтәж болып өседи.

☝️Соны ядыңызда сақлаң, ҳәттеки жеке аккаунт (профил) де толық қәўипсиз емес, оны да бузып кириўге болады.

©️Дерек: Бала психологиясы

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 09:57


💰Картадағы пулды процентсиз ямаса 1% тен де төменирек нақлатыўға бола ма?

Әдетте пластик картадағы пулды нақлатыўда банкомат 1% услап қалады.

Капиталбанк сум Visa картасы арқалы 10 млн сумға шекем нақ пулды Капиталбанктың банкоматлары арқалы процентсиз шешип алыўға болады.

Paynet пунктлери арқалы болса 1 млн сумға шекем картадағы пулды процентсиз нақлатыў мүмкин.

Сондай-ақ, төмендеги банклердиң банкоматларынан нақ пул шешип алыўда проценти азырақ етип белгиленген:

Davr bank — 0,5%;
Asia Alliance Bank — 0,6%;
Garant bank — 0,7%.

Мысалы, Davr bank пластик картасындағы пулды Davr bank’тың банкоматынан 0,5% пенен нақлатыўға болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 08:30


⚡️Кейинги жылдан баслап жоқары оқыў орынларында бағшалардың тийисли жоқары мағлыуматқа ийе болмаған педагоглары ушын арнаўлы квоталар ажыратылады

Президенттиң Пәрманына бола, 2025-2026-оқыў жылынан баслап:

мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша дуал билимлендириў формасы енгизиледи;

мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына мектепке шекемги билимлендириў бағдарының сыртқы хәм кешки формасына ҳәр жылы кеминде 200 мақсетли квота ажыратылады.

☝️Бул квотаға бағшаларда кеминде 5 жыллық жумыс стажына ийе болған педагог кадрлар еселенген төлемли-контракт тийкарында қабылланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 06:30


⚠️ Дыққат, ескертиў!

Бүгиннен “незаконно” қурылған жайларға мүлк ҳуқықын бериўши Нызам күшке кирди.

Усы Нызам арқалы өзлериңиздиң жайларыңыз ҳәм имаратларыныңызға кадастр ҳүжжетин алыўда айырым “мошенниклер”ге исенип алданып қалмаң.

Нызам бойынша өзбасымша қурылған жай ҳәм имаратларға ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ушын реже тийкарында барлық сондай жайлар хатлаўдан өткериледи.

Кейин сол жайлар бойынша Эътироф деген платформа арқалы 15 тен артық мәмлекетлик уйымлардың жуўмақлары алынады.

Оннан кейин Нызамда көрсетилген 8 категорияға кириўи яки кирмеўи үйрениледи.

Сонлықтан, айырым “мошенниклер”диң “тезлестирип беремен”, “келистирип беремен”, “бир илажлап беремен” деген гәплерине исенип оларға пул берип жүрмең!

Және бир нәрсе, “незаконно” қурылған жайлардың бәрине ҳүжжет бериледи екен деген қәте пикир менен аукционсыз жер план алып ямаса дус келген жерге жай салып тасламаң.

Ондай жай салғанлар жәриймаға тартылып, жайлары бузып тасланады! Себеби Нызамға көре жер участкасы тек 2018-жыл 1-майға шекем өзбасымша ийеленген болыўы керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 06:10


Pulmakon «CLEVER»  микрокредит шөлкеми

📊МИКРОҚАРЫЗ  2 СААТТА ШЫҒАДЫ

🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз

Мәселен той бериуге яки Машина алыуға ҳәмде басқада жетпей турған қәлеген мүтәжиңизге алсаңызда болады
Оны 10 күнде яки 1 айда кайтарсаңызда болады тек алган күниңиз ге пайыз қосылады

📅 6 айдан 1жыл 1,5 ҳәм де 3-жыл мүддетке.

🪙 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.

10 млн 725.000
20 млн  1.449.000
30 млн  2.174.000
40 млн  2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн  4.348.000
70 млн  5.073.000
80 млн  5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн  7.247.000

Айма-ай график бойынша төлеп барасыз

☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 05:20


⚡️Контракт пулын төлеўде кимлерге жәрдем бериледи?

Төмендегилерге билимлендириў мәкемесиндеги оқыўы ушын контракт пулын төлеўде жеңилликлер берилген:

👉 Өзбекстандағы ЖООларында оқып атырған «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ямаса олардың оқып атырған 2 ҳәм оннан артық перзентлериниң бирине;

👉 колледж, техникум ҳәм мәмлекетлик, меншик, Өзбекстандағы сырт ел жоқары оқыў орынларының бакалавры күндизги, сыртқы ҳәм кешки формасында, магистратураның күндизги бағдарында оқып атырған «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳәм де «Темир дәптер»ге киргизилген пуқаралардың перзентлерине.

💰Контракттың қанша бөлеги төлеп бериледи?

▫️«Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар ушын контракт суммасының 50% шекем, бирақ БЕМның 50 есесинен (18,7 млн сумнан) көп болмаған муғдарында;

▫️«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлер БЕМның 15 есесинен (5,6 млн сумнан) көп болмаған муғдарында.

🔔 Постты студентлерге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 05:01


#сиз_ушын_пайдалы

⁉️ Зыянкеслерден қутылыўдың нәтийжели усылын билесиз бе?

Билесиз, зыянлы жәнликлер  атыз өнимлериниң зүрәәтине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетеди. Кейинги ўақытлары буған қарсы гүресиў ушын биологиялық усыллардан кең пайдаланылмақта.

Қәнигелердиң сөзлерине бола, буған қарсы гүресиўде алтынкөзден пайдаланыў жақсы нәтийже береди.

Толық мағлыўмат пенен жоқарыдағы видео арқалы танысыўыңыз мүмкин.

📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.

XALÍQ USHÍN ⚖️

08 Nov, 03:55


Контрактқа төлеген пулдың 12% қайтарып алыў тәртиби қандай?

Салық кодексиниң 378-статьясына тийкар, пуқара өзиниң, перзентлериниң ямаса 26 жасқа толмаған өмирлик жолдасының кәсип-өнер мектеби, колледж, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында билим алыўы (төлемли контракт тийкарындағы оқыўы) ушын төленген пулы 12% лик дәрамат салығынан азат етиледи.

📲 Контракт төлеминен 12 процентлик дәрамат салығын қайтарып алыў ушын биринши гезекте пуқара my3.soliq.uz сайты арқалы жәми жыллық дәраматлары ҳаққындағы декларацияны тапсырыўы керек.

🖊Декларация тапсырылғанда, пуқараның жеке карточкасында артықша төлем (12% лик салық суммасы) пайда болады ҳәм оннан кейин усы артықша пулды қайтарыў ҳаққында банк пластик картасы реквизитлерин көрсеткен ҳалда арза берилиўи керек.

🗓 Арза 5 кун ишинде қарап шығылады. Ҳүжжетлерде кемшиликлер болмаса, артықша сумма (12% лик салық суммасы) арза берилген күннен баслап 15 күнниң ишинде қайтарып бериледи.

☝️Салық жеңиллиги тәлим кредитлерин сөндириў ушын төленген дәраматларға да қолланылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Nov, 14:43


❗️Мектеплердиң ЖШШТ оқытыўшысы штатлары Қорғаныў министрлигине өткериледи

Президентке билимлендириў ҳәм тәрбия сапасын арттырыў мәселелеринде мәлимлеме берилди.

Енди шақырыққа шекем басланғыш таярлық оқытыўшысы штаты Қорғаныў министрлигине өткериледи.

Буннан былай бул лаўазымға Қураллы Күшлер резервиндеги әскерлер тайынланады.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Nov, 12:29


⚡️2025-жылы медицинаның айрықша бағдарлары ушын қосымша қаржылар ажыратылыўы күтилмекте

💰Бюджетнамаға тийкар, 2025-жыл бюджет қәрежетлери прогнозында төмендеги ден саўлықты сақлаў бағдарларына көбирек қаржы ажыратылыўы жобаластырылған:

нефрология ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсетиў қәрежетлерине - 241,8 млрд сум;

балаларды ҳәм туўыў жасындағы, ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаялларды арнаўлы профилактикалық препаратлар менен тәмийинлеўге - 176 млрд сум;

СПИДке қарсы гүресиў бойынша ис-илажларға - 86 млрд сум;

Туўыў үйлеринде туўыў орынларын басқышпа-басқыш көбейтиўге - 134,1 млрд сум;

Онкологиялық, гематологиялық ҳәм иммунологиялық кеселликлерге шатылған балаларға медициналық жәрдем көрсетиўди раўажландырыўға - 135 млрд сум;

Ҳаяллар арасында онколориялық кеселликлерди қадағалаўға алыў системасын раўажландырыўға - 33,5 млрд сум;

Балалар гематологиясы ҳәм онкологиясы бөлимлеринде жәҳән стандартларын енгизиўге - 9,3 млрд сум.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Nov, 11:31


🏢 Қарақалпақстан Республикасынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайланған депутатлар

1. Утемуратова Сапаргүл Шамшетовна — 1-Қарақалпақстан Республикасы сайлаў округи: Нөкис қаласы, Әмиўдәря районы, Беруний районы.

2. Мамутов Равшан Аминаддинович — 2-Қарақалпақстан Республикасы сайлаў округи: Төрткүл районы, Елликқала районы, Беруний районы.

3. Халмуратова Гулжан Пиржановна — 3-Қарақалпақстан Республикасы сайлаў округи: Мойнақ районы, Қоңырат районы, Қанлыкөл районы, Шоманай районы, Хожели районы, Тақыятас районы.

4. Алдамуратов Бахитбай Умирзақович — 4-Қарақалпақстан Республикасы сайлаў округи: Нөкис қаласы, Тахтакөпир районы, Қараөзек районы, Кегейли районы, Бозатаў районы, Шымбай районы, Нөкис районы.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

07 Nov, 11:09


😅 Televizorlar - SEMECHKA Bahasında!

🏷 32 Sonor TV - 4 928 sumnan
🏷 32 Smart TV - 5 202 sumnan
🏷 43 Sonor TV - 8 217 sumnan
🏷 43 SMART TV (Android) - 9 287 sumnan
🏷 43 SMART TV (WebOS) - 10 932 sumnan

🤭 Smartfonlar endi SHASHLIK bahasında!

🍢 Redmi Note 13 (8/128) - 9 173 sumnan
🍢 Honor X8b (8/128) - 9 831 sumnan
🍢 Honor 200 Lite (8/256GB) - 13 118 sumnan
🍢 Nova 12 SE (8/256) - 11 803 sumnan
🍢 Nova 12i (8/128) - 7 858 sumnan

*Barlıǵı 12 aylıq múddetli tólewge kúnlik tólew bahası esapqa alınǵan.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q,  Ernazar Alakóz kóshesi, 60-jay (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q, Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A-jay (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Nov, 15:57


⚡️Ўатанласларымызды қызықтырыўшы айырым мағлыўматларды саралап жыйнадық

Жай ремонты ямаса таза жай қурыўға 120 млн сумлық жеңиллетилген кредит алыў ушын қайерге хабарласыў керек?

“Незаконно” қурылған жайға яки магазинге кадастр ислетип алыўға болама?

Балалар напақасы қандай жағдайларда тоқтап қалады?

“Мусор”дан қарызы бар пуқаралар электр энергиясынан үзиле ме?

Алиментти төлеўди тоқтатыўға қандай арза жазылады?

❗️Усы ҳәм басқа турмысыңызда ушырасатуғын әҳмийетли сораўларға ҳәм машқалаларға жуўапларды усы каналдан табасыз!

Ҳуқықларыңызды билип барыў ушын төмендеги “Подписаться” түймесин басың 👇👇👇

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Nov, 13:04


⚡️Енди тәўиплер ҳәм экстрасенслар руқсатнамасыз адам емлегени ушын жуўапкершиликке тартылады

❗️
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген жаңа 59-5-статьяға көре, халық медицинасы тараўында жумыс ислеў ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен пуқараларға диагноз қойыў ҳәне оларды емлеў хызметлерин көрсетиў ҳәм усы хызметлерди үгит-нәсиятлаў пуқараларға БЕМның 15 есесинен 20 есесине (7,5 млн сумға) шекем, ал лаўазымлы шахсларға - 20 есесинен 25 есесине (9,3 млн сумға) шекем жәрийма салыўға себеп болады.

☝️Егер усы ҳәрекетлер бир жылдың ишинде және қайта исленсе, БЕМның 30 есесине (11,2 млн сумға) дейин жәрийма ямаса 15 суткаға шекем қамақ жазасы қолланылады.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Nov, 12:34


7️⃣0️⃣🔤 gacha chegirmalar? 😱

Ha, rostdan -70% gacha, siz toʻgʻri eshitdingiz!

Elmakon 7 yoshi munosabati bilan sizlarni xursand qilishni boshladi

• Kichik mayshiy texnikalarga 7️⃣0️⃣🔤 gacha;
• Smartfonlarga 5️⃣0️⃣🔤 gacha;
• Katta mayshiy texnikalarga 3️⃣5️⃣🔤 gacha chegirmalar amal qiladi.

Aksiya muddati: 3-noyabrdan 10-noyabrgacha davom etadi

Batafsil: | Подробно:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Instagram | Bizning saytimiz | Do‘konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

06 Nov, 11:25


⚡️Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы орынбасары ҳәм комитетлери баслықлары сайланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясында Сапарбаев Рустам Турсынбаевич жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары етип сайланды.

🏢 Төмендегилер Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитетлери ҳәм комиссиясы баслықлары етип сайланды:

✔️Депутат Сейтназаров Бердибек Аметбекович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң баслығы;

✔️Депутат Атажанов Алишер Ерпулатович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы;

✔️
Депутат Сдиков Исламбек Муратбаевич Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы;

✔️
Депутат Атамуратов Мурат Утепбергенович
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы;

✔️
Депутат Жуманазаров Ануарбек Жолдасбаевич Жоқарғы Кеңестиң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы;

✔️Депутат Өтемисов Шарапат Жаңабаевич Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәмде мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң баслығы;

✔️Депутат Каримов Кеңесбай Айтмуратович Жоқарғы Кеңестиң Регламент ҳәм депутатлық әдеплилик мәселелери комиссиясының баслығы етип сайланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

@XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Oct, 14:25


🤨Ҳаял-қызлар армияға барады, ешек гөшин жеўге болады, пенсия 5.600 сум жетеди, мигрантлар салық төлейди…

❗️Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 51-10-статьясына көре, енди сайлаўда бир неше мәрте ямаса басқа шахслар атынан даўыс бериў ушын сайлаў бюллетенин берген сайлаў комиссиясы ағзасы БЕМның 1 есеси (1-октябрден 375 мың сум) муғдарында жәриймаға тартылады.

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Oct, 10:22


💰120 млн сумлық турақ жай кредитин алыўшыға қандай талаплар қойылған?

Министрлер Кабинетиниң 21.10.2024-жылдағы 691-санлы қарарына тийкар, кредит алыўшы төмендеги критерийлерге (шәртлерге) муўапық болса ғана оған кредит ажыратылыўы мүмкин:

18 жастан үлкен ҳәм 60 жастан аспаған Өзбекстан пуқарасы болыўы;

кредитти төлеўге жетерли ҳәм нызамлы дәрамат дерегине ийе болыўы (сол қатарда қыйтақ жери яки дийқан хожалығынан ямаса жеке тәртиптеги исбилерменликтен дәрамат таўып отырған болыўы);

қарыз жүги көрсеткиши (айлық төлеп жүрген қарызлары суммасы) қарыз алыўшының барлық кредитлери ҳәм микроқарызлары бойынша орташа айлық төлемлери усы пуқараның орташа айлық дәраматларының 60% нен көп болмаўы;

алдын алған кредитлери бойынша мүддети өткен қарыздарлығы болмаўы;

алдын ипотека кредитинен ҳәм ипотека кредитлери бойынша субсидиялардан пайдаланбаған болыўы;

реконструкция қылынатуғын ҳәм оңланатуғын турақ жай ямаса қуралажақ турақ жайдың жер участкасы усы пуқараға ямаса ол менен бирге жасаўшыжақын туўысқанларынан бирине тийисли екенлиги ҳәм де пуқара усы мәнзилде кеминде 6 ай даўамында турақлы “пропискада” турған болыўы.

🗓 Қарыз жүгин есаплаўда кредит алыўшының орташа айлық дәраматлары муғдары оның ақырғы 12 ай даўамында алған дәраматлары муғдарының орташа арифметикалық муғдарынан кели шығып есапланады.

💡Кейинги постымызда: “Мәкан жетилиги” пуқараға кредит бериў ушын усынысты бериўден қандай жағдайларда бас тартыўы мүмкин?

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Oct, 10:06


-40% ge shekem shegirme Kir juwıw mashinalarına! idea dúkanlarında LG hám basqa kir juwıw mashinalarına akciya :

- 40% shegirme - LG (6kg) - 239 400 sumnan;
- 40% shegirme - LG (8,5kg) - 311 400 sumnan;
- 40% shegirme - MIDEA (8kg) - 319 200 sumnan;
- 30% shegirme - LG (7kg) - 307 300 sumnan;
- 30% shegirme - LORETTO (6kg) - 195 300 sumnan ayına*

*Bunday shegirmeler tek 25-31-oktyabrģa shekem ámel etedi!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q,  Ernazar Alakóz kóshesi, 60 (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q, Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A úy (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Oct, 06:59


🫡 Ҳүрметли Ишки ислер уйымлары хызметкерлери!

Тынышлық сақшылары болған Ишки ислер уйымлары хызметкерлерин бүгинги кәсиплик байрамы, "25-октябрь – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни" менен қызғын қутлықлаймыз.

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

25 Oct, 05:25


⚡️120 млн сумлық кредитти ҳәм субсидияны алыў ушын кимге мүрәжат етиў керек?

Министрлер Кабинетиниң 21.10.2024-жылдағы 691-санлы қарары менен жер жай қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў ушын 17,5%тен 120 миллион сумға шекемги муғдарда 20 жылға шекем ипотека кредитлерин ажыратыў ҳәм ипотека кредити бойынша дәслепки төлемниң бир бөлегин және процент төлемлериниң белгили бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши бес жылы даўамында 12 проценттен артқан бөлегине субсидия төлеп бериў тәртиби тастыйықланды.

💰Бул тәртипке көре
, ипотека кредитлери Агробанк, Халық банки, Микрокредитбанк ҳәм Бизнести раўажландырыў банки тәрепинен ажыратылады.

🖥 Ипотека кредитлери ҳәм субсидиялар subsidyplatform.mf.uz платформасы арқалы ажыратылады.

💡«Мәкан жетилиги» ─ мәкан баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторынан ибарат жәмәәт.

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Oct, 17:10


⚡️Турақ жай қурыў ҳәм ремонт ушын 120 млн сумлық кредитти бериў тәртиби тастыйықланды

Президенттиң Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап «Мәкан жетилиги» усынысы тийкарында Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға мәмлекет есабынан ипотека кредитлерин ажыратыў белгиленген.

❗️Кредит 120 млн сумға шекем, 20 жыллық мүддетке Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан 4% жоқары болған ставкада (ҳәзирги күнде 18% болады) жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын ажыратылады.

💰Мәмлекет тәрепинен кредит алған пуқараға басланғыш төлемин қаплаў ушын алынған кредит муғдарының 15% муғдарында ҳәм процентлериниң бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши 5 жыллы даўамында 12% тен артық бөлегине субсидия бериледи.

☝️Бул кредитти бериў тәртиби тастыйықланбағаны ушын усы күнге шекем ажыратылмаған.

❗️Енди Министрлер Кабинетиниң 21.10.2024-жылдағы 691-санлы қарары менен усы кредитти бериў тәртиби тастыйықланды.

📑 Қарардың толық тексти бириктирилген файлда.

🔔 Жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Oct, 10:57


⚡️-40% ge shekem shegirme Kir juwıw mashinalarına! idea dúkanlarında LG hám basqa kir juwıw mashinalarına akciya :

- 40% shegirme - LG (6kg) - 239 400 sumnan;
- 40% shegirme - LG (8,5kg) - 311 400 sumnan;
- 40% shegirme - MIDEA (8kg) - 319 200 so'mdan;
- 30% shegirme - LG (7kg) - 307 300 sumnan;
- 30% shegirme - LORETTO (6kg) - 195 300 sumnan ayina*

*Bunday shegirmeler tek 25-31 oktyabrga shekem ámel etedi!

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q,  Ernazar Alakóz kóshesi, 60 (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q, Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A úy (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Oct, 09:27


⚡️2025-жылдан баслап жумыссыз пуқаралар жумысқа жайласыў мәселесине «биржа труд»қа барып отырмастан туўры «мәканком»ға мүрәжат етиўи мүмкин

Президенттиң 04.10.2024-жылдағы ПҚ-347-санлы қарары менен тастыйықланған “жол карта”ның 1-бәнтине көре, 2025-жыл 1-февралдан баслап бос жумыс орынларына жайластырыў бойынша жолламаларды район (қала) ҳәкиминиң жәрдемшиси тәрепинен бериў системасы енгизиледи.

☝️ Яғный, 2025-жыл 1-февралдан баслап бос жумыс орнына жайласыў ушын жумыссыз пуқараға жоллама мәкан пуқаралар жыйынында ҳәкиминиң жәрдемшиси тәрепинен бериледи.

📝 Бунда мәкан пуқаралар жыйынының өзинде пуқараның мүрәжатын есапқа алыў ҳәм бәнтлик хызметлерин көрсетиў имканы жаратылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Oct, 06:58


⚡️Фермерлер кеңеси баслығының биринши орынбасары Министрлер Кеңеси баслығына орынбасар болды, ал Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары аўыл хожалығы министри етип тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Тешаев Шуҳрат Жўрақулович (фотода шепте) тайынланды.

Ш.Тешаев буннан алдын Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығының биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барған. Сондай-ақ, мийнет жолы даўамында Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министриниң агротехнология мәселелери бойынша биринши орынбасары, Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министри сыяқлы сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларды табыслы атқарған.

Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс алып барған Кайпов Дарьябай Жаксыбаевич (фотода оңда) Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри лаўазымына тайынланған.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Oct, 05:56


⚡️Майыплығы болған шахслардың дәраматларының бир бөлеги салықтан азат етиледи

📑 Нызамшылыққа бола, балалықтан майыплығы болған шахслар, соның менен бирге I ҳəм II топар майыплығы болған шахслар мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси муғдарындағы дəраматларының бир бөлеги салық салыўдан азат етиледи.

📑 Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медициналық-социаллық эксперт комиссиясының мəлимлемеси тийкарында бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

24 Oct, 04:39


❗️«Лагман» партиясынан эксклюзив сайлаў алды агитациясы

Ҳүрметли Ўатанласлар, 27-октябрь күни болып өтетуғын сайлаўда “қурғақ” ўәде беретуғын талабан яки партияға емес, ал реал жумыс ислейтуғынларға даўыс бериң!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Oct, 15:59


⚡️1-декабрден самолёт, поезд ҳәм автобусқа билетлерди бир платформадан онлайн алыў имканы жаратылады

📲 Президенттиң 18.07.2024-жылдағы ПП-102-санлы Пәрманына тийкар, 2024-жыл 1-декабрге шекем мәмлекетимиздеги барлық авиа, темир жол ҳәм автобус қатнаўлары ҳаққында мағлыўмат ҳәм билет алыў имканын беретуғын бирден бир онлайн платформа иске түсириледи.

🗓 Платформа арқалы барлық түрдеги билетлерди кеминде 6 ай алдын сатып алыў имканы жаратылады.

Байрамларды (Наўрыз, Ғәрезсизлик күни, Рамазан Ҳайыты, Қурбан Ҳайыты) белгилеў дәўиринде қосымша авиа, темир жол ҳәм автобус қатнаўлары жолға қойылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Oct, 15:18


🇬🇦 Qaraqalpaqsha qosıqlar kanalı

Sizge @qosiq telegram kanalın usınıs etemiz. Bul kanalda siz eski qaraqalpaq milliy qosıqlar toplamların taba alasiz.

☝️Aytpaqshı bul kanalda pálenshe uz, tólenshe uz uqsağan reklamalar joq, hámmesi original formatta. 😉

Qosılıw:👉 https://t.me/+g2sYnimt2yk1Njg6

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Oct, 13:40


⚡️Енди «права» алыў ушын биринши медициналық жәрдем көрсетиў бойынша да имтиханнан өтиўге туўра келеди

📝 Министрлер Кабинетиниң 429-санлы қарары менен Хүкиметтиң 2018-жылдың 31-майдағы 408-санлы қарарына киргизилген тийисли өзргерис ҳәм қосымшаларға тийкар, оқыў шөлкеминде автомототранспорт қураллары ҳәм қала электр транспорты қураллары айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў жуўмағы бойынша питкериўшилерден биринши медициналық жәрдем көрсетиў, наўқасты дурыс транспортировкалаў көнликпелери бойынша әмелий имтиханлар қабыл етиледи.

📑 Биринши медициналық жәрдем көрсетиў бойынша әмелий имтиханлардың критерийлери Өзбекстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

23 Oct, 13:22


🏷 Texnikalar Kúlkili Arzan bahalarda

🥚 Muzlatqish - Máyek Bahasında!

🥚 Ferre 275 Oq - 8 216 sumnan
🥚 Ferre 275 ST - 9 860 sumnan
🥚 Premier 211 Oq - 10 408 sumnan
🥚 Premier 211 Qora - 10 956 sumnan
🥚 Premier 211 ST- 11 504 sumnan

🫧 Kir juwıw mashinaları - Sabın Bahasında!

🫧 Loretto 6kg - 9 860 sumnan
🫧 Loretto 6kg Qora - 10 682 sumnan
🫧 Premier 7kg - 11 504 sumnan
🫧 Midea 7kg - 13 671 sumnan
🫧 LG 7kg - 19 150 sumnan

*Barlıǵı 12 aylıq múddetli tólewge kúnlik tólew bahası esapqa alınǵan.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q,  Ernazar Alakóz kóshesi, 60 (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat q, Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A úy (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Narxlar | Instagram | Do'konlarimiz

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 13:24


❗️Бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлардың балаларының бақша төлемин мәмлекет қаплайды

🔰 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы ПП-87-санлы Пәрманына муўапық, бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлардың:

👉 мектеп жасына шекемги балалары ушын мәмлекетлик бақшаға төленетуғын төлемнен азат етиледи;

👉 3 жасқа шекемги болған балалары ушын мәмлекетлик емес (меншик) бақшаға төленетуғын төлемин қаплаў ушын мәмлекеттен субсидия ажыратылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 10:09


Хызметкерди пенсия жасына толғанлығы себепли жумыстан босатыў мүмкин бе?

📙 Алдынғы Мийнет кодексиниң (30.04.2023-жылдан өз күшин жоғалтқан) 100-статьясында жумыс бериўши хызметкерди жумыстан босатыўы мүмкин болған тийкарлар көрсетилген болып, олардың қатарында «хызметкердиң пенсия жасына толғанлығы, нызамшылыққа муўапық жасқа байланыслы мәмлекетлик пенсиясын алыў ҳуқықы пайда болғанлығы» тийкары да бар еди.

❗️Мине сол статья тийкарында баслық хызметкерди пенсия жасына толғанлығы себепли жумыстан босатып жибериўи мүмкин еди.

Бирақ, жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң (30.04.2023-жылдан күшке кирген) 161-статьясында жумыс бериўшиниң басламасы менен мийнет шәртнамасын бийкар етиў тийкарлары қатарынан «хызметкерди пенсия жасына толыўы себепли жумыс бериўшиниң мийнет шәртнамасын бийкар етиў ҳуқықы» шығарып тасланған.

☝️Демек, жаңа Кодексе бола, енди баслық хызметкерди пенсия жасына толғанлығы себепли жумыстан босата алмайды.

⚠️ Пенсия жасына толған хызметкер жаңа Мийнет кодексиниң 161-статьясында көрсетилген басқа тийкарлар бойынша жумыстан босатылыўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 07:55


❗️«Орайлық Азия» емес «Түркстан»

Туркияның миллий билимлендириў министрлиги таза оқыў бағдарламасында «Тарийх» пәнине өзгерис киргизип, «Орайлық Азия» орнына «Түркстан» түсинигин киргизген.

Буннан мақсет келешек әўладларды түркийлик, миллий сана, ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў екен.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 05:25


⚡️Техникум директоры ҳәм орынбасарлары ашық таңлаў арқалы таңлап алынады

💼 Президенттиң 16.10.2024-жылдағы ПП-158-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-январдан баслап техникумлардың директор ҳәм директор орынбасарларына талабанларды ашық таңлаў тийкарында таңлаў тәртиби енгизиледи.

🎓Сондай-ақ, 2025/2026-оқыў жылынан белгиленген техникумларда халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 03:24


⚡️Спидометрге қарап турың!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 15:13


⚡️«Whats» пирамидасын жүргизип атырған топар баслығы қолға алынды

🚫«Whats» атамасы менен шөлкемлестирилген платформа арқалы адамлардың қаржыларын алдаўшылық жолы менен өзлестирип келген топар жумысына шек қойылды.

☝️Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, усы жыл август айынан бери шағым еткен 500 ден артық жәбирленгенлердиң көрген улыўма зыяны муғдары 4 млрд сумды қураған.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 12:14


Ата-ана баласын таслап сырт елге шығып кете алама?

“Қәўендерлик ҳәм әменгерлик ҳаққында”ғы Нызамның 20-статьясына тийкар, ата-ана 3 айдан артық муддетке жасаў орнынан басқа жерге ямаса сырт елге кетип баратырғанда өзиниң баласына қәўендер (васий) ямаса әменгер (ҳомий) тайынлатыўы шәрт.

🔰 Егер ата-ана 3 айдан азырақ мүддетке басқа жерге ямаса сырт елге кетип баратырған болса, өзиниң баласын жақын туўысканларына ямаса ағайинлерине қалдырыўы керек.

📝 Ата-ана жасаў жеринен 3 айдан артық шығып кетиўинен кеминде бир ай алдын өзиниң баласына қәўендер ямаса әменгер тайынлатыўы ушын жасаў жериндеги қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымына арза бериўи керек.

🔖 Балаға қәўендер ямаса әменгер район (қала) ҳәкиминиң қарары менен тайынланады.

❗️Ата-ана жасаў жеринен 3 айдан артық мүддетке кетип баратырып өзиниң баласына қәўендер ямаса әменгер тайынлатпаса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-7-статьясына тийкар 1,8 млн сумға шекем жәриймаға тартылыўы мүмкин.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 08:08


⚡️“Дәптерлер”деги шаңарақлардың балаларына мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары бийпул бериледи

Министрлер Кабинетиниң 07.06.2022-жылдағы 312-санлы қарарына тийкар, “Темир дәптер”, “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киргизилген шаңарақлардың оқыўшы балаларының мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары қәрежетлери жылына 1 мәрте мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи.

☝️Бул жеңилликтен усы дәптерлерге кирген шаңарақлардың барлық балалары мектепте нешинши класта оқыўына қарамастан пайдаланады.

💰 Мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары ушын қәрежетлер район (қала) “Жаслар дәптери” фонды есабынан қапланады.

📝 Жеңилликтен пайдаланыў мәселесинде Жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлимине хабарласыў керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 07:47


⚡️Перзентлериниң тәрбиясына қызығыўшылар дыққатына!

👶🏻 Баланың психологиясына ҳәзирги күнде ата-аналар көбирек итибар бериўди баслады, психология илимине қызығыўшылар саны да артып бармақта. Мине сондай ата-аналар ҳәм болажақ ата-аналар ушын перзент тәрбиясына байланыслы қызықлы мағлыўматлар ҳәм кеңеслерди усыныўшы қарақалпақ тилиндеги Бала психологиясы каналы ашылыпты.

😊 Каналда мына мағлыўматларды оқып қызығып қалдым:
▫️Ананың даўысы менен перзентинде эндорфин ислеп шығарылыўы күшейеди екен ҳәм бул аўырыўды азайтады екен.
▫️Балаңыздан өзиңиз ериспеген «Уллы ислерди» талап етпең, себеби…
▫️Перзентиңиз тәрбиясы ушын билип қойған мақул болған ҳәрекетлер
▫️Баланың қорқынышлары қалай пайда болады?
▫️Өкпелегиш бала менен қандай қатнаста болыў керек?
▫️Баланың салған сүўретлери оның ишки руўхыятын аңлатыўы ҳәм шаңарақтағы проблемаларды көрсетиўи мүмкин

Каналға ағза болыўды мәсләҳәт беремиз, пайдасы тийсе тийеди да, дым зыяны тиймейди!

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 06:53


⚡️Айдаўшылар дыққатына! «А» ҳәриби сызылған айрықша ажыратылған жолаққа итибарлы болың!

Жолларда «А» ҳәриби сызылған, айрықша ажыратылған жолақта тоқтап турып, автобус ҳәм басқа жөнелисли транспорт қуралларының ҳәрекетине кесент еткен айдаўшыларға жәрийма салынбақта.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128 ҳәм 128-6-статьяларына көре, ҳеш қандай себепсиз усы жолақтан ҳарекетленген айдаўшылар БЕМның 50% (187500 сум), жолақта себепсиз тоқтап турған айдаўшылар болса – БЕМның 2 есеси (750000 сум) муғдарында жәриймаға тартылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 05:56


🎉 Бәршени 21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн менен қутлықлаймыз!

🧰 Сол мүнәсибет пенен өзбек тилинде көп жазатуғынлар ушын айырым ешейин онлайн хызметлер дизимин усынамыз:

Tahrirchi: өзбек тилиндеги текстлерди сапалы редакторлаўға жәрдем береди. Ол арқалы өзбек тилинен қарақалпақ ҳәм басқа тиллерге текстлерди аўдарыўға болады.

Tilmoch: жасалма интеллект пенен ислейтуғын дилмаш.

Lotin: өзбек тилиндеги текстлерди латыннан кириллге ҳәм кириллдан латынға аўдарады.

Matn: бул латын ҳәм кирилл әлипбесиндеги текстлерди аўдарады. Сайтта түсиндирме сөзлиги де бар.

Imlo: өзбек тилиндеги сөзлердиң дурыс жазылыўы бойынша жәрдем бериўши сайт. Әсиресе «х» ҳәм «ҳ» ҳәриплерин алжастырыўшылар ушын пайдалы.

Izoh: өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги.

@LotinKiril_bot: текстлерди латын-кирилл яки кирилл-латын көринисинде Telegram арқалы аўдарыўшы бот.

@bexato: текстлерди латын-кирилл яки кирилл-латын көринисинде Telegram арқалы аўдарыўшы бот. Бул ботқа файлды тасласаңыз, сол файлдағы барлық текстти аўдарып береди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

20 Oct, 12:51


❗️Қайырқомлық ушын жумсалған пул салыққа тартылмайды

Нызам менен өзгелер күтимине мүтәж жалғыз кекселерге, жалғыз жасаўшы кекселерге ҳәм майыплығы болған шахсларға қайырқомлық етиў ушын жумсалған пуллар салық базасын анықлаўда алып тасланатуғын қәрежетлер қатарына киргизилиўи нәзерде тутылмақта.

☝️Яғный, мысал ушын фирманың счетынан жалғыз жасаўшы кексеге жәрдем ретинде азық-аўқат өнимлерин алып берсе, ол фирманың төлейтуғын салығын есаплаўда сол азық-аўқат өнимлерине жумсалған пул есапқа алынбайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

20 Oct, 08:13


“Әке” деп аталған бул қысқа метражлы мульфильм Оскар сыйлығына ылайық деп табылған.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 12:41


❗️Мектеплерде гүзги дем алыс ўақты жәрияланды

Улыўма билим бериў мектеплеринде 4-ноябрьден 10-ноябрьге шекем гүзги дем алыс бериледи.

🗓️ 10-ноябрьден гезектеги шерек басланады.

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 10:20


⚡️Пара сораў, дәмегөйлик яки басқа коррупция жағдайларына дус келсеңиз anticorr.uz ға мүрәжат жоллаң!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеси тәрепинен «Anticorr.uz» платформасы иске түсирилди! Платформа тест режиминде жумыс алып барып атыр. Платформа арқалы сиз мүрәжатыңызды онлайн түрде тиккелей Аймақлық кеңеске жоллай аласыз.

🤫Сизиң аты-жөниңиз толық сыр тутылады.  

👇Мүрәжатыңызды төмендеги усыллар арқалы жоллаўыңыз мүмкин:

▫️Anticorr.uz сайты
▫️Android:  Жүклеп алыў
▫️iOS: Жүклеп алыў
▫️Telegram бот: @anticorr_uz_bot

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 09:37


⚡️Айырым пуқаралар ID-картаны алмастырыў төлеминен азат етилди

Өзбекстан Республикасының 18.10.2024-жылдағы ӨРН-977-санлы Нызамына тийкар, төмендеги пуқаралар жойтылған ямаса жарамсыз болып қалған ID-картасын яки биометрикалық паспортын алмастырыўда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилди:

✔️өзгелер күтимине мүтәж кекселер;

✔️жалғыз жасаўшы кекселер;

✔️майыплығы болған шахслар.

❗️Сондай-ақ, Социаллық қорғаў миллий агентлиги пуқаралық ҳәм ҳәкимшилик ислери бойынша судларға арза жазыўда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 07:02


Бала асырап алған хызметкер «декрет»ке шыға алама?

Мийнет кодексиниң 406-статьясына муўапық, жаңа туўылған баланы перзентликке алған ямаса оған қәўендер етип белгиленген хызметкерге социаллық дем алыс бериледи.

📆 Бул дем алыстың мүддети бала асырап алынған күннен басланып бала туўылған күннен баслап 56 календарь күн (2 ҳәм оннан артық бала асырап алынғанда 70 календарь күн) жуўмақланғанға шекем белгиленеди.

💰Хызметкерге усы дем алыс ўақты ушын орташа айлығының 100% муғдарында (егер хызметкер 12 айдан аз ислеген болса 75%) напақа төленеди.

🚼 Бала асырап алған ямаса қәўендерликке алған хызметкерге оның жазба арзасына тийкар, бала 2 жасқа толғанға шекем напақа төленетуғын ҳәм 3 жасқа шекем напақа төленбейтуғын социаллық дем алыс бериледи.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 05:41


❗️ Бир мәрте түкириў – 5 млн 300 мың сум!

Туркияның Болу муниципалитети 31.07.2024-жылдан баслап сигарет қалдығы, туқым, шығынды таслаған ҳәм жерге түкиргенлер 14104 лираға (420 АҚШ доллары) шекем жәриймаға тартыўды баслаған.

Жәриймадан түскен пулларға ҳәмме жерге камера орнатыўда пайдаланылмақта.

Видеодаға пуқара сигарет қалдығын таслағаны камераға түсип қалғанын билип, дәрриў оны алып, камераға қарап кеширим сораған.

П/С: Бир түкириў яки сигарета қалдығын таслағаны ушын 420 доллар төлеген адам қатты ойланатуғын болатуғын шығар. Өзбекстанда шығынды таслағанларға 375000 сумнан 1,1 млн сумға шекем жәрийма белгиленген, бирақ сонда да нәтийже күтилгендей болмай атыр. Бәлким Туркиядағыдай адым жерге камера қойылса «эффект» берер.

☝️Ҳүрметли ўатанласлар, жәрийма төлемеў ушын емес «улыўма үйимиздиң» тазалығы ушын дус келген жерге «мусор» тасламаўды балаларымызға үйретейик!

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 05:02


⚡️2025-жылы айырым салықлар көтерилмейди

Өзбекстан Экономика хәм қаржы министриниң орынбасары А.Хайдаровтың мағлыўматына көре, бир қатар салықлар, соның ишинде ҚҚС ҳәм пайда салығы бойынша ставкалар өзгериссиз қалады (басқа салықлар ҳаққында анық мағлыўмат айтылмаған).

Бюджет дефицити 2024-жылы тастыйықланған 4% әтирапында сақланады, 2025-жылы ҳәм кейинги жыллары 3% шекем пәсейтириледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

18 Oct, 13:09


💰Айлығы аз пуқараларды дәрамат салығынан азат етиў усыныс етилмекте

Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы өзиниң сайлаў алды бағдарламасында жасырын экономиканың үлесин азайтыў ҳәм рәсмий секторда бәнт болған халықтың санын көбейтиў процеслерин өзиниң мақсетлериниң бири етип белгилеген.

Партияның пикиринше, пуқаралар дәраматларының салыққа тартылмайтуғын «минимум» муғдарын көбейтиў социаллық теңсизликтиң алдын алыўға, кәмбағаллықты қысқартыўға жәрдем береди.

Партия тәрепинен берилип атырған усынысқа көре, пуқаралардың айлығының 3 млн 465 мың сумға шекем болған бөлегине дәрамат салығы қолланылмайды. Буның нәтийжесинде пуқаралар ҳәр айда қосымша 400 мың сумнан зыятрақ қаржыға ийе болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар