Каракалпак 24 @karakalpak24 Channel on Telegram

Каракалпак 24

@karakalpak24


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.

📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot

📊 Реклама: @kk24_reklama

Каракалпак 24 (Kazakh)

Каракалпак 24 - бұл Қарақалпақстан мен Өзбекстандағы жаңалықтарды турақты түрде бақылауға арналған телеграм каналы. Бұл каналда Қарақалпақстан мен Өзбекстан жерлерінде пайда болған ақпараттар және жаңалықтар арқылы оқиғалардың жаңастырғысы болады. Бұл каналда мүрәжат жоллау үшін @KARAKALPAK24_BOT ботымен хабарласуға болады. Реклама лауазымдары үшін @kk24_reklama арқылы хабарласуға болады.

Каракалпак 24

24 Jan, 12:13


❗️Сиз биреўге кепил болып оның орнына кредитти төлеп атырған болсаңыз, ол пулларды кредит алған адамнан өндирип алыўыңыз мүмкин.

Бул суд арқалы регресс тәртипте өндириў деп айтылады.

Пуқаралық ислери бойынша судқа берилетуғын арза шаблоны мына силтемеде: силтеме

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 11:17


🌙 Быйыл Рамазан айы қашан басланады?

Муқаддес Рамазан айының 2025-жылдағы биринши күни 1-март, (шемби) күнине туўры келиўи мүмкин.

Бул мағлыўмат Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен еле тастыйқланбаған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 10:58


❗️Күнине 9 сааттан көп уйқылаў инсультқа себеп болыўы мүмкин

Nordic Health Research жойбары 32 мың адамның қатнасыўында изертлеў өткерди. Алымлар алты жыл даўамында изертлеў қатнасыўшыларын бақлап, олардың уйқы тәртиби ҳәм кеселлик тарийхы ҳаққында мағлыўмат топлайды. Нәтийжелер күнине тоғыз сааттан артық уйқлайтуғын (қатнасыўшыларының 24%и) яки күндиз 90 минуттан көбирек дем алатуғын (қатнасыўшылардың 8%и) адамларда инсульт қәўипи жети-сегиз саат уйқлайтуғын адамларға қарағанда 85% жоқары екенлигин көрсетти.

Алымлардың айтыўынша, ҳәдден тыс көп уйқылаў қан-тамыр кеселликлериниң раўажланыў қәўипин арттырады. Түнги уйқы даўамлылығы усыныс етилген нормадан өткен қатнасыўшыларда инсульт қәўпи 23%ке артқан. Узақ мүддетли күндизги уйқы да қәўипли болып шықты: Изертлеўде бир ярым сааттан көп дем алыў қан-тамыр кеселликлери итималылығын 25%ке көбейткен.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 10:41


Дипломлары туўрыдан-туўры тән алынатуғын TOP-1000лыққа кирген ЖООлардың дизими жәрияланды

Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен 2025-жыл ушын тастыйықланған халықаралық шөлкемлердиң (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Higher Education, Academic Ranking of World Universities) рейтингинде жоқары оқыў орынлары арасында биринши 1000 орынды ийелеген сырт ел ЖООларының дизими тастыйықланды.

Мағлыўмат ушын, TOP-1000 ЖООларын тамамлаған студентлерлиң допломлары Өзбекстанда тест сынақларсыз тән алынады.

Бул дизим ҳәр жылы жаңалап турылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 10:34


🎉 Urganchda birinchi KFC filiali ochildi! 🎉

Endi KFC taomlaridan bahramand bo‘lish yanada qulayroq — mashinadan tushmasdan buyurtma berishingiz mumkin!

Bu KFC’ning O‘zbekistondagi 29-filiali❤️

📍 Manzil: Xorazm viloyati, Urganch, Feruz MFY, Paxlavon Maxmud ko'chasi, 59/8-uy, kor. A

Ish vaqti: kun-u tun

Texnik tanaffus 4:00 dan 6:00 gacha

Barchani 1-fevral kuni soat 14:00 dagi tantanali ochilish marosimiga taklif qilamiz🙌🏼

Biz ijtimoiy tarmoqda



🎉 Открылся первый филиал KFC в Ургенче! 🎉


Теперь наслаждаться KFC стало ещё удобнее — заказывай блюда, не выходя из машины!

Это уже 29-й филиал KFC в Узбекистане❤️

📍 Адрес: Хорезмская область, Ургенч, МСГ (Махаллинский сход граждан), Феруз, улица Пахлавона Махмуда, дом 59/8, кор. A

🕒 Режим работы: Круглосуточно!
Технический перерыв: с 4:00 до 6:00

Приглашаем всех на торжественное открытие 1 февраля в 14:00🙌🏼


Мы в социальных сетях

Реклама

Каракалпак 24

24 Jan, 08:08


Қайсы жағдайларда айдаўшыны мәс ҳалда екенин тексериў мүмкин?

айдаўшының аўзынан алкогол ийси келсе;
айдаўшы бир жағдайда туўры тура алмаса (шайқалып турыў);
айдаўшының сөйлеўи бузылса;
айдаўшы қол бармақлары қалтыраса;
айдаўшы жүз териси реңи сезирерли дәреже өзгерсе.

Алкоголдан мәслик жағдайы қандай анықланады?

Бул 2 түрли усылда әмелге асырылады:

1⃣ арнаўлы техник қурал — алкотестер жәрдеминде;
2⃣ район (қала) емлеў-профилактика мәкемелеринде медициналық тексериўден өткериў арқалы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 07:43


Америкалы журналист Макронның өмирлик жолдасы еркек екенлигин дәлиллеўге ўәде берди

Кэндис Оуенс Франция президентиниң ҳаялы Бриджит ер адам болып туўылғанын тастыйқлаўшы дәлиллерди 30-январь күни жәриялайтуғынын мәлим етти.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 07:18


❗️Ендигиден былай ишки ислер хызметкерлери сиз бенен надурыс мүнәсибетте болса, биймәлел оны фото ҳәм видеоларды тарқатыў ҳуқықы сақлап қалынды

Сенат мақуллаған нызамда тек ғана хызметкерлердиң сүўретин олардың абырайсызланыўына алып келетуғын тәризде бузып тарқатпаў, яғный хызметкердиң ҳәрекетлери, сөзлери ҳәм жүз берген жағдайды бузбаў, усы мақсетте монтаж етпеў талап етилмекте.

Бундай қағыйдабузарлық ушын:
БЕМның 20 ден 50 есесине шекем жәрийма;
10 суткаға шекем қамақ жазасы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 07:10


☀️Дем алыс күнлери ҳаўа райы жылып баслайды

Ҳаўаның температурасы ертең түнде -2...-7° аралығында сақланып, күндиз +7...+12° қа шекем көтериледи.

Екшемби күни ҳаўаның температурасы түнде -2...+3° қа шекем, күндиз болса +9...+14° қа шекем көтериледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 07:00


👑 Кучли ва соҳибжамол: замонамиз қаҳрамонлари!

ELLE O‘zbekiston "The Art of Changes" сонида икки ажойиб аёл билан эксклюзив суҳбат!

Олимпиада чемпиони Диёра Келдиёрова спортдаги ғалабалари, аёллик нафосати ва келажак режалари ҳақида очиқчасига гапирди.

Голливуд юлдузи Кейт Уинслет афсонавий фотожурналист Ли Миллер образини яратиш жараёни ва аёллар қисматини экранда акс эттириш санъати ҳақида ҳикоя қилади.

Бундан ташқари сизни GOLDEN TICKET ўйини ҳам кутмоқда. Шунчаки журнални Uzum Market орқали харид қилинг ва ҳамкорларимиз - FURLA, SWAROVSKI, CHARUEL, PANDORA, WOMEN'S SECRET, L'OCCITANE, PARFUM GALLERY, GESKE, QAND’дан ажойиб совғаларни қўлга киритиш имконига эга бўлинг.

Каракалпак 24

24 Jan, 06:47


Қараөзекте 2,8 млрд сумлық энергия ресурсларын урлаған «заправка» анықланды

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қараөзек районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде «Қ.М.» ЖШЖның жуўапкер шахслары ҳәм басқалар өз-ара тил бириктирип, ЖШЖның автомобиллерге газ толтырыў компрессор шақапшасына орнатылған электрон газ есаплағыш үскенесине сыртқы тәсир көрсетип, жәми 1,1 миллион куб метр тәбийғый газден нызамға қайшы түрде пайдаланып, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине 2,8 миллиард сум зыян жеткергени анықланған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 169-статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 06:39


️"Газди үй жылытыў ҳәм аўқат писириўге жумсап жиберетуғын халықтың кесеси ағармайды" — Алишер Қодиров

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 06:29


🏭"KARAKALPAK BASALT WOOL"
Endi siz, biz benen uyiñizdiñ qista jilliliğin hàmde jazda salqinliligin biymàlel saqlay alasiz!

🟨"KARAKALPAK BASALT WOOL" zavodi sizge bazalt tasinan islengen sapali ha'm sizge tuwra keletug'in ha'r qiyli o’lshemdegi Bazalt plitalarin usinadi.

🟨Bazalt plitalariniń qolayliliq tarepleri :

1. 🏠Uyiñizdiñ ishki jilliliq ha’mde salqinliligin saqlaydi;
2.🗣Uyiñizdi har qiyli shawqimnan saqlaydi ;
3.🌳Ekologiyaliq taza o’nim ;
4.🔥Janbaytuğin ha'm otqa shidamli o'nim ;
5. 5️⃣0️⃣ jildan artiq jaraqliliq mu'detine iye.

📍Adress : Nòkis qalasi isbilermenler aymaği
🏘Oriyentir : Nòkis Polimer zavodi

☎️Baylanis ushin telefon nomerleri :
+998 93 488-19-45
📪Telegram:
@salamat_omarov10

Реклама

Каракалпак 24

24 Jan, 06:22


Пенсия муғдары тек ғана айлық ис ҳақыдан есаплана ма ямаса үстеме ҳәм сыйлық пуллары да есапқа алына ма?

Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 13-октябрьдеги 592-санлы қарары менен тастыйықланған «Мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы Режениң 82-бәнтине муўапық:

• пенсия есаплаўда ис ҳақы қурамына, сондай-ақ, ис ҳақының натурал бөлегине 2019-жыл 1-январьға шекемги дәўир ушын нызамшылыққа муўапық қамсызландырыў төлемлери;

• 2019-жылдан кейинги дәўир ушын Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 371-статьясында көрсетилген мийнетке ҳақы төлеў түриндеги барлық дәраматлар киргизиледи.

Яғный, пуқаралардың мийнет жолы даўамында алған ис ҳақыларына қосымша түрде төленген үстеме ҳәм сыйлық пуллары пенсия есаплаўда есапқа алынады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 05:40


Рәсмий мағлыўмат

Нөкис қаласы Төлепберген Қайыпбергенов көшеси бойында 2 пуқара өз-ара жәнжеллесип жол ортасында транспорт қураллары ҳәрекетине кесент етип, шаўқым шығарып пуқаралардыӊ тынышлығын бузып, жәмийетте жүрис турыс қағыйдаларын қастан месинбестен майда бийзарылық ҳәрекетлерин ислеген жағдайлары социаллық тармақларда тарқалған еди. Бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәлимлеме хызмети баслығы Салаўат Қаллибеков тәрепинен рәсмий мағлыўмат берилди

Бул жағдай бойынша  Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Нөкис қаласы Ишки ислер органлары Жумысларын муўапықластырыў басқармасы хызметкерлери тәрепинен бул пуқаралардыӊ шахсына айдынлық киритилди.

Бул ис ҳәрекетти 1987-жылы Нөкис районында жасаўшы С.Т ҳәм 1988-жылы Нөкис қаласында туўылған К.Қ  атлы пуқаралар тәрепинен ислегенлиги анықланған ҳәм бул шахслардыӊ қарсысына Нөкис қаласы ИИО ЖМБ 3-сан ИИБ профилактика инспекторы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниӊ 183-статьясына тийкарланып ҳүжжетлер топланып тийисли шара көриў мақсетинде Жынаят ислери бойынша Нөкис қаласы судына жиберилген ҳәм бул шахслардыӊ ислеген ис ҳәрекетлерине ҳуқықый баҳа берилип бул шахслардыӊ ҳәр бирине 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Jan, 05:35


🤩 Тәжрийбели Ортопед травмотолог Нөкис қаласында

❗️Егер де сизиң перзентиңиздиң суйек ҳәм буўынларында аўырыўлар гүзетилип атырған болса балаңызды Ортопед-травмотологқа көрсетиўиңиз зәрүр

📌 24-январь күни “Medical Centre” клиникасында Ташкент қаласынан келетуғын тәжрийбели балалар Ортопед травматолог шыпакери
Жуманазаров Лазизбек Улуғбекович көрик өткереди

🤝 “Medical Centre” клиникасы пациентлерине қолайлық жаратыўдан шаршамайды

😊 Сизиң саламатлығыңыз биз ушын қәдирли

☎️ Толық мағлыўмат алыў ушын төмендеги номерге байланысың:
+998995030303

📍Мәнзил: А.Досназаров көшеси 8 а жай
📍Бағдар: Ески Әмиўдәрья бассейни

🕊Telegram | 📹YouTube | 📱Facebook | 📱Instagram

Реклама

Каракалпак 24

23 Jan, 16:28


Ҳаял-қызларға қандай жеңилликлер бар?

🔹 Ҳаял-қызларға исбилерменликти жолға қойыў ушын 33 миллион сўмға шекем кредитлер ажыратылады
- толық

🔹 Ҳаялларды пенсия жасына толғанлығы себепли жумыс бериўши басламасы менен жумыстан босатыў қадағаланады
- толық

🔹 Айырым қатламдағы ҳаял-қызларға ЖООна кириў ушын усыныснама бериледи
- толық

🔹 "Ҳаяллар дәптери"не киритилгенлерге кредит берилиўи мүмкин
- толық

🔹 Ислейтуғын аналарға баланы аўқатландырыўға тәнепис бериледи
- толық

🔹 Ҳаял-қызлардың кәсип үйрениўге қылған ғәрежетлерин мәмлекет төлеп береди
- толық

🔹 "Ҳаяллар дәптери"не киритилген жалғыз ҳаяллардың перзентлери де бақшаға жеңилликли дизим тийкарында қабыл қылынады
- толық

🔹 Аўыр социаллық аҳўалдағы ҳаял-қызларға жеңилликли үй-жайлар бериледи
- толық

🔹 12 жасқа толмаған баласы бар ҳаялларға қосымша дем алыс бериледи
- толық

🔹 Айырым ҳаял-қызлардың контракт пулы мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи
- толық

🔹 2 жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар жеңилирек жумысқа өткериледи
- толық

🔹 Ҳәмиледар ҳаяллар, 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаялларды жумысқа қабыл қылыўда дәслепки сынаў қолланылмайды
- толық

🔹 Басшы лаўазымға таңлаўда ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер тең қатнасы тәмийинленеди
- толық

🔹 Айырым ҳаяллар 53 жаста пенсияға шығыўы мүмкин
- толық

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

23 Jan, 15:04


Дыққат хабарландырыў‼️

Министрлер Кеңеси алдындағы пиядалар өтиў жолына өзгерис киргизилди.

Ҳүрметли пиядалар! Жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиң.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 15:58


Пиядалар өтиў орынларында нелер қадаған етилген?

Нызамшылыққа көре, пиядалар өтиў орнында ҳəрекетленип атырғанда:

телефоннан пайдаланыў;
китапларды оқыў;
видеоматериалларды көриў;
аудиоматериалларды еситиў;
итибарды шалғытыўшы басқа электрон қураллардан пайдаланыў;

соның менен бирге, жолдың ҳəрекет бөлегин белгиленбеген орынлардан кесип өтиў БЕМның үштен бир бөлеги (113 мың 300 сўм) муғдарында жəрийма салыўға себеп болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 14:39


Сабаққа кешиккен ямаса формада болмаған оқыўшыны сабақтан шығарып жибериў мүмкин емес

Сабаққа кешигиў, оқыўшылар тәрепинен оқыў қураллары алып келинбеўи ямаса мектеп формасының жоқлығы оқыўшыны сабаққа киргизбей қалыўына тийкар болмайды. Билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процеси "нызамшылық, демократиялық, кемситиўге жол қоймаў ҳәм ҳүрмет" принциплерине тийкарланыўы керек.

Халық билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 28-июлдеги 246-санлы буйрығы менен тастыйықланған "Улыўма орта билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртиби ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына" бола, муғәллимлер, топар ағзалары ҳәм басқалардың шахсын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўи, оқыўшыларды сабақтан тийкарсыз шығарып жибермейтуғын ямаса киргизбеўи ҳәмде "шығыў" қоңыраўы шалынғаннан кейин оқыўшыларды класта услап отырыў да мүмкин емес.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 14:29


🔰 2024-жыл 1-октябрден баслап Өзбекстан аймағында:

🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 155 000 сўм;

🔹базалық есаплаў муғдары – 375 000 сўм;

🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 428 000 сўм;

🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 834 000 сўм;

🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 920 000 сўм;

🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 920 000 сўм;

🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (834 000 сўм)нан 920 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 920 000 сўм.

🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 745 000 сўм;

🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 745 000 сўм.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 14:05


🏭"KARAKALPAK BASALT WOOL"
Endi siz, biz benen uyiñizdiñ qista jilliliğin hàmde jazda salqinliligin biymàlel saqlay alasiz!

🟨"KARAKALPAK BASALT WOOL" zavodi sizge bazalt tasinan islengen sapali ha'm sizge tuwra keletug'in ha'r qiyli o’lshemdegi Bazalt plitalarin usinadi.

🟨Bazalt plitalariniń qolayliliq tarepleri :

1. 🏠Uyiñizdiñ ishki jilliliq ha’mde salqinliligin saqlaydi;
2.🗣Uyiñizdi har qiyli shawqimnan saqlaydi ;
3.🌳Ekologiyaliq taza o’nim ;
4.🔥Janbaytuğin ha'm otqa shidamli o'nim ;
5. 5️⃣0️⃣ jildan artiq jaraqliliq mu'detine iye.

📍Adress : Nòkis qalasi isbilermenler aymaği
🏘Oriyentir : Nòkis Polimer zavodi

☎️Baylanis ushin telefon nomerleri :
+998 93 488-19-45
📪Telegram:
@salamat_omarov10

Реклама

Каракалпак 24

22 Jan, 13:55


Нөкис техника университети шөлкемлестириледи

Президент Шавкат Мирзиёев басшылығындағы жыйналыста Нөкис, Бухара, Ферғана ҳәм Наманган техника университетлерин шөлкемлестириў жойбарлары презентация етилди.

Оған бола, жаңа бағдарлар ашылып, сырт ел бағдарламалары енгизиледи, студентлердиң илимий-инновациялық процесслердеги қатнасы кеңейтиледи, жоқары оқыў орынларына санаат бирге ислесиўшилери бириктириледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 13:16


Егер алған кредитиңизди төлемесеңиз не болады?

Кредити бар танысларыңызға жиберип қойың.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 13:06


@grossmeyster_chess

Реклама

Каракалпак 24

22 Jan, 11:58


Криминоген жағдай аўыр мәҳәллелер менен жаңаша ислесиў механизми енгизиледи

Барлық район (қала) лық сектор басшыларына, Миллий гвардия қорғаў хызмети баслықларына ҳәм ишки ислер уйымлары баслықларының орынбасарларына 2025-жылы криминоген жағдай аўыр мәҳәллелер атпа-ат бириктириледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 11:43


❗️Нызамшылықта муғаллимлерге берилген айырым жеңилликлер менен танысың

🔹1-октябрь "Муғаллимлер ҳәм устазлар күни" деп белгиленген ҳәм бул күн байрам (дем алыс) күни есапланады.

🔹Балаларға тәлим-тәрбия беретуғын барлық педагог хызметкерлер турақлы түрде бийпул медициналық тексериўден өткериледи.

🔹Педагоглар ушын 56 күнлик жыллық ҳақы төленетуғын узайтырылған дем алыслар бериледи.

🔹Педагог хизметкерлер ушын жумис ўақтының даўамыйлығы ҳәптесине көби менен 36 саат етип белгиленеди.

🔹 Мектеп муғаллимлерине жумысты баҳалаў нормалары тийкарында 10 проценттен 40 процентке шекем, китапханашы ҳәм психологларға 10 проценттен 20 процентке шекем үстеме белгиленеди.

🔹 Пән олимпиадасының жеңимпазын таярлаған оқытыўшылар хошаметленеди.

🔹Муғаллимлер наўқас болып қалганда материаллық жәрдем бериледи.

🔹Олимпиада жеңимпазы болған муғаллимлерге 150 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Өзи сабақ беретуғын пән бойынша халықаралық тән алынған ҳәм миллий сертификатқа ийе болған муғаллимлерге олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

🔹"Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп" таңлаўының жеңимпазы болған мектепке ярым миллиард сум бериледи.

🔹Инклюзив класс муғаллимлерине 40 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Алыс аймақларда сабақ берип атырған муғаллимлерге 50 процентке шекем үстеме бериледи.

🔹Математика, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшыларға ақшалай пул сыйлығы бериледи.

🔹Көп жыллық стажға ийе педагоглар мәжбүрий аттестацияга тартылмайды.

🔹Халықаралық пән олимпиадаларын таярлаған оқытыўшыларға маманлық категориясы аттестациясыз бериледи.

🔹Республикалық пән олимпиадасы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлердиң маманлық категориясы бир басқышқа арттырылады.

🔹Медицина тараўы профессор-оқытыўшыларына емлеў-диагностика жумысларын орынлағаны ушын қосымша ҳақы төленеди.

🔹Билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери пәни муғаллимлерине айлық үстемелер бериледи.

❗️Оқытыўшылардың жумысына араласқанлық ушын жуўапкершилик бар.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 11:17


️Вакант лаўазымларды жасырыў жуўапкершиликке себеп болады

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 229-статьясына муўапық,

🔹Бос жумыс орынларын (вакант лаўазымларды) жасырыў, бос жумыс орынлары ямаса ҳәр бир хызметкер босатып алыныўы күтилип атырғанлығы ҳаққындағы хабарды өз ўақтында усыныс етпеў, жумыс пенен тәмийинлениўге жәрдемлесиў;

🔹Мәмлекетлик қорға ажыратпаларды төлеўден бас тартыў, — лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының он есесинен жигирма бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 11:08


"Жаслар дәптери"не киргизилген жасларға "права"ға оқыў пулы төлеп бериледи

Нызамшылыққа тийкарланып, дәптердеги жаслардың автомектепте оқыў қәрежетлери қапланады. Бул муғдар БЕМның 4 есесине шекемги, 1 млн 320 мың сумды қурайды.

Буның ушын автомектепте оқыўды қәлеген жаслар районлық жаслар ислери бөлимине арза ҳәм оқыў курсы шәртнамасының нусқасын береди. Шәртнамада билимлендириў шөлкеминиң атамасы, СТИР, оқыў курсы ямаса кәсип-өнер атамасы, бир айлық төлем муғдары ҳәм улыўма мүддет көрсетилген болыўы керек.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 10:57


❗️Өзбекстанда шахсты тергеў қамақханасына жайластырыўдан алдын медициналық тексериўден өткериў мәжбүрий болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 10:47


Пуқаралар  дыққатына!!!

Энергияны үнемлеў яки улыўма пул тѳлемей қосымша аўысқан хәр бир кВт электр энергияны 1000 сумнан сатып қосымша дәрамат табыў ушын үлкен имканият усыныс етемиз:

⚡️ 3 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 6 500 000 сумға (14 000 000 сум орнына!)
⚡️ 5 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 12 800 000 сумға (20 300 000 сум орнына!)

Биз не усыныс етемиз?
🛡    20 жыллық кепиллик ҳәм 1 жыллық сервис хызмет
🔝    Жоқары сапалы үскенелер
❤️    Тез ҳәм исенимли хызмет

Шәртнама дүзиў ушын керекли хужжетлер:
1. турақ жайыңыздың кадастр ҳүжжети, (метрика, загс, паспорт егер кадастр туўысқанының атында болса)
2. Сиз турақ жай ийеси болыўыңыз яки сол жерде турақлы рухсатқа ийе болыўыңыз керек.

•  Куяш панели ушын кеткен карежетинизди канша уакытта каплайсыз?
•  1000 сумнан сатып кашан канша дарамат таба аласыз? 
•  Сиз хазир токка канша толем толейсиз?  

Бизден мәсләҳәт алыў ушын байланыс нѳмер:
+998953700155  +998953770155
Мәнзил:
📍Нѳкис қаласы М.Жуманазаров кѳшеси 57 уй, бағдар Қарақалпағым кафе.

                            ➡️  Локация  ⬅️

Реклама

Каракалпак 24

22 Jan, 10:30


Видеоқолланба

my.mehnat.uz сайты арқалы мийнет дәптершесин жүклеп алыў ҳәм ҳәзирги жумыс орнын қосыў бойынша видеоқолланба.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 10:10


Қолы кесилген 2 айлық нәрестениң жақынлары шыпакерлерден наразы

Анасы ҳәм әжеси ыссылық пенен емлеўханаға алып келинген баланы дәслепки емлеўлер тәсир етпегенин айтпақта. Қыздың жағдайы аўырласып, ол реанимацияға алынған.

"Мийирбийкелер укол етип атырғанда тамырға туўры түсе алмай, қызымның қолын ҳәр жерден 4-5 мәртеден тесип таслады," - дейди қыздың анасы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 10:05


🤩 Тәжрийбели Ортопед травмотолог Нөкис қаласында

❗️Егер де сизиң перзентиңиздиң суйек ҳәм буўынларында аўырыўлар гүзетилип атырған болса балаңызды Ортопед-травмотологқа көрсетиўиңиз зәрүр

📌 24-январь күни “Medical Centre” клиникасында Ташкент қаласынан келетуғын тәжрийбели балалар Ортопед травматолог шыпакери
Жуманазаров Лазизбек Улуғбекович көрик өткереди

🤝 “Medical Centre” клиникасы пациентлерине қолайлық жаратыўдан шаршамайды

😊 Сизиң саламатлығыңыз биз ушын қәдирли

☎️ Толық мағлыўмат алыў ушын төмендеги номерге байланысың:
+998995030303

📍Мәнзил: А.Досназаров көшеси 8 а жай
📍Бағдар: Ески Әмиўдәрья бассейни

🕊Telegram | 📹YouTube | 📱Facebook | 📱Instagram

Реклама

Каракалпак 24

22 Jan, 08:45


❄️🥶 Өзбекстанға суўық ҳаўа ағымы кирип келмекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Jan, 04:24


Хызметкерлерге айлық мийнет ис ҳақысы қашан төлениўи керек, кешиксе не болады?

Мийнет кодексиниң 333-статьясына бола, мийнет ис ҳақысы кешиктирилгенде жумыс бериўши ҳәр бир кешиктирилген күн ушын Орайлық банктиң сол ўақытта әмелде болған қайта қаржыландырыў ставкасының 10 проценти муғдарында ақшалай компенсация төлейди.

Ҳәзирги күнде Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасы 13,5 процентти, оның 10 проценти 1,35 процентти қурайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 18:56


️"Манчестер Сити" клубы Абдуқодир Ҳусановтың трансферин жәриялады

Бүгин, 20-январь күни "Манчестер Сити" клубының рәсмий барлық бетлеринде Абдуқодир Ҳусановтың трансферин жәриялады.

Өзбекстан сайланды командасы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусанов Англияның жетекши клубларының бири "Манчестер Сити" менен шәртнамаға қол қойғаны ҳаққында узақ ўақыттан берли додалаўлар даўам етип киятырған еди. Бул ҳаққында инсайдер Фабрисио Романо өз бетлеринде мәлим еткен еди. Бирақ клубтың өзи бул ҳаққында еле жәрияламаған еди. Ҳәм бүгин клуб бул ҳаққында рәсмий түрде хабар берди.

Ҳусанов 2024-2025-жылғы мәўсимниң екинши бөлиминде Пеп Гвардиола командасына қосылады ҳәм оның клуб пенен шәртнамасы 2029-жылдың жазына шекем даўам етеди. Клубда Абдуқодир 45-санлы формада ойнайды.

Мағлыўмат ушын, Абдуқодир Ҳусанов Өзбекстан сайланды командасының ярым қорғаўшысы, 2023-жылдың жазында Беларустың "Енергетик-БГУ" клубынан Францияның "Ленс" командасына келип қосылды ҳәм 1-лиганың ең жас қорғаўшыларынан бири еди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 16:22


Алдаўшылық ушын қандай жаза белгиленген?

Алдаўшылық — бул басқаның мүлкин ямаса мүлкке болған ҳуқықын алдаў яки исенимине кирип оннан пайдаланыў жолы менен қолга киргизиў.

Алдаўшылық ушын нызамшылықта жынайый жуўапкершилик белгиленген.

Жынаят кодексине муўапық, усы жынаятты ислеген шахс:

БЕМның 50 есесинен 100 есесине шекемги (37 500 000) муғдарда жәрийма;
2 жылға шекем тәртип дүзетиў ислери;
1 жылдан 3 жылға шекем азатлықты шеклеў;
3 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы мүмкин.


👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 15:30


Мәмлекетлик белгиси өзгертилип ҳәрекетленип жүрген жүк машиналары анықланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 15:10


❗️Дыққат хабарландырыў!

2025-жыл 21-24-январь күнлери республика сектор ҳәмде министрлик ҳәм мәкемелер басшылары тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларына ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша орынларда көшпели қабыллаў өткериледи.

Қабыллаў режеси жоқарыдағы кестеде көрсетилген.

Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги ҳәм басқа да мәкемелер басшылары қатнасады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 15:04


Бу автомобиль Сизники бўлиши мумкин!🎉
Шунчаки UZTELECOM абоненти бўлиш ва ўз тарифингизни ўз вақтида тўлашни ўзи кифоя!

Шартлар:
✔️ Аллақачон UZTELECOM биланмисиз? Тариф ҳақини тўланг (мобил алоқа, интернет, телефония).
✔️ Ҳали уланмаганмисиз? Уланинг ва тариф ҳақини тўланг!

Январда сизни қандай совринлар кутмоқда?
🚗 Lixiang Li6
📺 2 LG Smart TV (65 дюйм)
📱 2 iPhone 16 Pro Max
📱 2 iPad Mini

Қатнашиш муддати: 31 январгача
Ютуқ ўйналиши: 16 февралда, Instagram'даги жонли эфирда

Батафсил

Реклама

Каракалпак 24

20 Jan, 14:54


❗️Хәзирги ўақытта əмелдеги жəриймалар муғдарлары менен танысың

🔒 Ремен тақпаў: 187 500 сум;
🩺 Техникалық көрик ямаса биринши жəрдем комплекси
жоқ екенлиги: 187 500 сум;
📜 Ҳүжжетсиз айдаў: 375 000 сум;
📄
Қамсызландырыўыз ҳүжжети болмаў: 375 000 сум;
🚦 Қызыл светофордан  өтиў: 750 000 сум;
🅿️ Нызамға қарсы парковка: 750 000 сум;
Мəмлекетлик номерисиз айдаў : 1 875 000 сум;
⚡️ Тезлик (+20 км/саат): 375 000 сум;
⚡️ Тезлик (+20 -40 км/саат): 1 875 000 сум;
⚡️ Тезлик (40+ км/саат): 3 375 000 сум;
🍺 Мәс ҳалда айдаў : 9 375 000 сум ҳəм 3 жылға шекем айдаў ҳуқықынан айырылыў;
🎨 Рухсатсыз рең бериў: 9 375 000 сум.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 14:44


Бүгин баслап "Үргенш-Қоңырат-Үргенш" жөнелиси бойынша поезд қатнаўы жолға қойылды

Қарақалпақстан бойынша әмелге асырылған мега жойбарлардың бири болған Әмиўдәрья дәрьясы үстинен өтиўши жаңа көпирде усы жылдың 20-январь сәнесинен баслап жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде «Үргенш-Қоңырат-Үргенш» жөнелиси бойынша жаңадан поезд қатнаўы жолға қойылмақта.

📆 Қатнаў ҳәр күни әмелге асырылады:

➡️ Үргеништен шығыў ўақты: 06:00
⬅️ Қоңыраттан шығыў ўақты: 13:24

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 14:07


Министрлер Кеңесы алдындағы пиядалар өтиў жолына өзгерис киргизилди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 13:44


Бир шахс өзиниң атына неше банк пластик картасын ашыўы мүмкин?

Орайлық банк бир пайдаланыўшыға рәсмийлестирилетуғын банк карталарының санын шеклеўди режелестирмекте. Бул ҳаққында Орайлық банк баслығының орынбасары Беҳзод Ҳамраев мәлим етти.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда пуқаралар бир паспортқа ашыўы мүмкин болған банк карталарының саны нызамлы тәртипке салынбаған. Нәтийжеде, айырымларының жүзден аслам карталары бар.

Бундай карталардан кейинги ўақытлары алдаўшылар пул қаржыларын өзлестириў схемаларында пайдаланбақта.

Беҳзод Ҳамраев қандай шеклеў орнатыў усыныс етилип атырғаны ҳаққындағы сораўға жуўап бермеген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 13:14


Нөкис қаласына жаңа автобуслар алып келинди

Бүгин Нөкис қаласына «Сапсан Транс Нукус» ЖШЖ тәрепинен дерлик 11 млрд. сумлық қаржы есабынан лизинг тийкарында 12 дана заманагөй автобуслар Қытай мәмлекетинен алып келинип, пайдаланыўға тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы И.Сдиков, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Даулетяров, Транспорт министри П.Каипбеков жаңа автобусларларда халқымыз ушын жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысты.

Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң жәмийетлик транспорт хызметин раўажландыў бағдарында қабыл етилген қарарлары менен «Брутто-шәртнамасы, яғный, «басып өтилген жол» ҳәм «сапа» өлшеми тийкарында жолаўшы тасыў хызметин шөлкемлестириў белгиленген еди. Усы тийкарда, Нөкис қаласында жәми 15 автобус жөнелислери шөлкемлестирилип, бул жөнелислерге 188 автобус алып келиў режелестирилген. Бүгинги пайдаланыўға тапсырылған жаңа автобуслар усы бағдардағы жаңа жөнелислердиң дәслепкиси есапланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 13:04


⚡️ ФАРУС НАТЯЖНОЙ ПОТОЛОКЫТАН
Жана жылга супер шегирме🔥☃️
🎆🎆🎆🎆🎆🎆🎆🎆🎆🎆🎆🎆
❇️ФАРУС КОМПАНИЯАСЫ СИЗГЕ
<500>ден артық заманагой дизайндагы🎉
натяжной патолок усынады
   Ендиликте бизден📌
🎆полный печатлар 70.000 сом
🎆дара печатлар 60.000 сом
🎆однотоннийлар 35.000 сом
БУЛ акция тек гана
15 январдан 📆
31 январга    🗓
АРАЛЫКТА ДАУАМ ЕТЕДЫ

Толык мағлумат алыу ушын📃
Томендегы номерлерге хабарлассаныз
Болады
☎️ +998904242040📞
☎️ +998886042040📞
☎️ +998932422040📞

Реклама

Каракалпак 24

20 Jan, 12:58


️1-класс оқыўшылары ушын февраль айында қосымша бир ҳәптелик дем алыс бериледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарары менен тастыйықланған Нызамда улыўма орта билим бериў мектеплеринде 1-класс оқыўшыларына қосымша дем алыс белгиленетуғыны нәзерде тутылған.

Нызамға бола, 1-класс оқыўшылары ушын февраль айы даўамында қосымша бир ҳәптелик дем алыс белгиленеди.

Дем алыс мүддети мектептиң педагогикалық кеңесиниң қарары тийкарында белгиленеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Jan, 11:45


❗️Абайлы болың. Алдаўшылар жаңа усылға өтти!

Телеграм пайдаланыўшыларына усындай көринистеги хабарлар келиўде даўам етпекте. Хабар исенимлилигин арттырыў мақсетинде пайдаланыўшылардың толық аты-фамилиясы көрсетилген ҳалда жиберилмекте.

Көпшилик усындай хабарларға исенип, өз телефонына хабар арқалы келген қосымшаны орнатқанынан соң, банк картасындағы пуллары алдаўшылар тәрепинен шешип алынған.

Ҳеш қашан телеграм арқалы жиберилетуғын бундай көринистеги қосимшаларды телефонынызға орнатпаң. Болмаса алдаўшылар торына түсип қалыўыңыз мүмкин.

Мәжбүрий орынлаў бюросынан қарыздарлық бар-жоқлығын анықлаў ушын МОБ базасы арқалы тексерип көриў мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 18:17


Электр энергиясы тутыныўшыларының мүрǝжатлерин қабыллаў мақсетинде “Hududiy elektr tarmoqlari” AJ Қарақалпақстан аймақлық филиалының қала ҳǝм районлық электр тǝмийнаты кǝрханаларында нǝўбетши телефон номерлери ислеп турыпты

◾️Əмиўдарья РЭТ ─ 61-515-44-52, 61-515-19-05
◾️Беруний РЭТ ─ 61-524-26-50
◾️Қанлыкөл РЭТ ─ 61-332-12-87, 61-332-12-85
◾️Кегейли РЭТ ─ 61-412-33-27, 61-412-14-30
◾️Қараөзек РЭТ ─ 61-465-42-28
◾️Қоңырат РЭТ ─ 61-312-20-45, 95-605-01-32
◾️Мойнақ РЭТ ─ 61-322-23-95
◾️Нөкис районы РЭТ ─ 61-424-42-66
◾️Нөкис қаласы РЭТ ─ 61-226-52-55, 61-226-52-56, 61-226-52-57
◾️Төрткүл РЭТ ─ 61-532-30-90
◾️Хожели РЭТ ─ 61-554-22-23, 95-605-01-46
◾️Тахтакөпир РЭТ ─ 61-435-12-82
◾️Шымбай РЭТ ─ 61-444-00-18, 61-444-02-13
◾️Шоманай РЭТ ─ 61-346-16-07, 95-605-01-57
◾️Елликқала РЭТ ─ 61-585-15-89
◾️Тақыятас РЭТ ─ 61-572-28-20, 61-572-69-54
◾️Бозатаў РЭТ ─ 61-415-34-94
◾️Филиалдың Сall-орайы 78-780-07-44, 61-222-99-91

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 15:28


⁉️Кредитти алған адам кредитин төлемей атыр. Мен кепилмен..

❓️Сораў:
Мен бир танысыма кепил болған едим. Ол алған кредитин төлемей атыр. Банктеги адамлар меннен қарызды талап етпекте. Қандай етип бул жағдайдан қутылыўым мүмкин?

❗️Жуўап:
Пуқаралық кодексиниң 292-статьясына тийкарланып, кепиллик шәртнамасы бойынша кепиллик басқа шахс (Кредит алған шахс) өз миннетлемесин толық ямаса бир бөлегин орынлаўы ушын оның кредиторы (Кредит берген банк) алдында жуўап бериўди өз мойнына алады.

Яғный, кредит алынып атырғанда өзиңиз онша түсинбеген болсаңыз да, кредит алған адам соль кредитти қайтармаса, мен төлеў миннетлемесин өз мойныма аламыз деген ҳүжжетке қол қойып бергенсиз

🔹Жоқарыдағы кодекстиң 293-статьясына тийкарланып, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған ямаса тийисли дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында сольидар (Биргеликте) жуўап береди деп көрсетилген.

🔹Яғный, кредит алған адам кредитти қайтармай атырған болса, демек кредитти қайтарыў миннетлемеси Сизге де жүклениўи мүмкин ҳәм бул нызамсыз жағдай емес.

‼️ Енди сораўынызды қандай етип бул жағдайдан қутылыўы мүмкин деген жерине келсек. Кредит толық төленип болмаганша бул жагдайдан қутыла алмайсыз, бирақ, кредит жабылганнан кейин Сиз кредит алған адамның кредити ушын қанша пул төлеген болсаңыз соль пулларынызды банк есабы бойынша процентлери менен және оннан көрген басқа да зыянларыңызды РЕГРЕСС (қарсы) тәртибинде судқа мүрәжат етип оннан өндирип алыўыныз мүмкин. Сизиң бул ҳуқықыңыз бар екенлиги жоқарыда көрсетилген кодекстиң 295-статьясында келтирилген.

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 15:14


АҚШта TikTok хызмети тоқтатылды

АҚШта 19-январьдан TikTok'ты қадаған етиў көзде тутылған нызам күшке кирди, деп хабар береди Qalampir.uz.

18-январь күни АҚШ Жоқары суды TikTok'ты сатыўды яки қосымшаны мәмлекетте пүткиллей қадаған етиўди талап ететуғын нызамды мақуллады. Бундай қарар миллий қәўипсизлик ҳәм TikTok'тың Қытай ҳүкимети менен шамаланған байланысларына тийисли қәўетерлер себепли қабыл етилди.

TikTok екшембиге өтетуғын түнде ислемей қалған, оның қосымшасы App Store'дан да жоғалды. Америкалық пайдаланыўшылар TikTok сервисына ийелик ететуғын Қытайдың ByteDance компаниясы менен байланыслы Capcut, Lemon8, Gauth ҳәм Hypic қосымшалары да ислемей қалғанлығын айтып атыр.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 15:07


Tayarsız ba?

ISHONCHDA ÚLKEN SHEGIRMELER!
Kóplegen súyikli ónimlerdi 70 ge shekem arzan bahada satıp alıń.

Shegirme tek 3 kún - 20-21-22-yanvar kúnleri ámel etedi.
Asıgin!

Mánzil: E.Allakoz kóshesi 60 Jay (MEGA NUKUS STOYANKA )
Telefon: 📞+998917351110
               📞+998912861110
              ▪️@Ishonch_Nukus

Реклама

Каракалпак 24

19 Jan, 14:29


Мәҳәлле "жетилиги" кимлер ҳәм олардың ўазыйпалары менен танысып шығың!

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен мәҳәллелерде "жетилик" жумысы жолға қойылған болып, оларға төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленди:

мәҳәлле баслығы — жәрдемге мүтәж шаңарақларға турақ жайын жақсылаўға жәрдемлесиў;

ҳәким жәрдемшиси — жумыссызларға жумыс табыўға жәрдемлесиў;

жаслар жетекшиси — жасларды спорт, музика ҳәм дөгереклерге тартыў;

ҳаял-қызлар белсендиси — ҳаял-қызларды исбилерменлик, жумысты үйге алып ислеў, өнерменчиликке тартыў

Профилактика инспекторы — Мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жәмиетлик тәртипти сақлаў ҳәм қәўипсиз орталықты тәмийинлеў, пуқаралардың қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқықларын әмелге асырыўда жәрдемлесиў;

салық хызметкери — мәҳәлледеги имканиятларды иске қосып, салық базасын кеңейтиў, исбилерменлик жумысын нызамластырыўға ҳәм өзин-өзи бәнт еткенлерге киши бизнес категориясына өтиўге жәрдемлесиў

социаллық хизметкер — жалғыз кекселер, майып ҳәм басқа мүтәжлерге социаллық хизмет көрсетиў сыяқлы анық ўазыйпалар менен шуғылланыў

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 14:13


"Әжинияз" көркем-публицистикалық фильми.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 14:08


⚡️ Енди натяжной потолокларды ең арзан бахада орнатып беремиз !!!

📎 Натяжной потолок базарында лидер болған «KVADRAT» фирмасы өзиниң арнаұлы АКЦИЯСЫН баслады !!!

📎 Акцияда сиз 5% - 10% - 20% хәттеки 50% жеңилликлерге да ийе болыұыңыз мүмкин !

🤝 Сизге еледе қолайлы болыӯы ушын «UZUM NASIYA» хәм «Өз ара келисим менен» бөлип төлеӯ хызметлерин де иске түсирдик.

📒 Акциямыз туралы толық мағлыұмат алмақшы болсаңыз төмендеги силтемеден өтип АТЫҢЫЗ хәм НОМЕРИҢИЗДИ жазып қалдырың

Асығың акция мүддети ШЕКЛЕНГЕН !!!

+998973596600

Каракалпак 24

19 Jan, 13:01


My.gov.uz​ порталы арқалы мәмлекетлик хизметлерден онлайн пайдаланың!

💻 my.gov.uz/oz/service/308 — Такси айдаў ушын лицензия алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/913 — Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/853 — Автотранспортты онлайн қамсызландырыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/412 — Өзбекстан Республикасынан шығыўға ўақтыншалық шеклеў қойылғанлығы жағдайын анықлаў;

💻 my.gov.uz/uz/service/491 — Өз-өзин бәнт еткен шахсларды дизимнен өткериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/263 — Есапланған ис ҳақы сўммалары ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/486 — Напақа тайынлаў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/378 — Паспортты ID картаға алмастырыў ушын арза жибериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/498 — UzAuto Motors AJ арқалы автомобил сатып алыў ушын нәўбетти тексериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/418 — Сырт елге шығыў паспортын рәсмийлестириўге арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/745 — "Ҳаяллар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/748 — "Жаслар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/743 — "Темир дәптер"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/587 — “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри”не кириў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/654 — Aвтотранспорт қуралларының тыйымды тексериў;

💻 my.gov.uz/oz/service/938 — Кредит тарийхы үйренилгенлиги бойынша ескертиўши «СМС-хабарнама» алыў.

💻 Oilakredit.uz — шаңарақлық исбилерменлик бойынша кредит алыў ушын арза бериў;

💻 online-mahalla.uz — бул дизимде көрсетилген жөнелислер ушын субсидия алыў мүмкин;

💻 ipoteka-bozori.uz — жаңа тәртиптеги ипотека кредитлери;

💻 Subsidiya.mf.uz — субсидия рәсмийлестириў бойынша;

💻 smart-market.uz — ири ислеп шығарыўшы, көтере саўда, жеткерип бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлер ушын өз өним ҳәм хызметлерин еркин сатыў және кредит алыўшылар ушын өним жеткерип бериўши фирманы еркин таңлаў имканияты бар.



💻 talim-krediti.uz яки talim-krediti.mf.uz — тәлим кредитин алыў ушын;

💻 Infokredit.uz ёки my.gov.uz — кредит тарийхын билиў ушын;

💻 bank-kredit.uz  —"20 исбилермен - 500 мың маман қәнийге" дастүри шеңберинде кредитге арза бериў;

💻 portal.infokredit.uz — Юридик шахслар кредит тарийхы ҳаққындағы мағлыўматты алыў ушын.

📱my.gov.uz қосымшасын жүклеп алыў: Google Play яки App Store

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 10:40


Lex AI ҳуқықый чат-боты жаратылды

Әдиллик министрлиги менен биргеликте LexAI ҳуқықый чат-боты жаратылды.

Бул жойбар мәмлекет бюджетиниң қатнасыўысыз, толық бийпул әмелге асырылған. Бүгинги күнде чат-боттың биринши функциясы ҳуқықый мәселелерге тез жуўап бериў имканиятын усынып атыр.

Жақын арада иске түсирилетуғын функциялар:

Ҳүжжет жойбарларын экспертизадан өткериў – нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарларын онлайн баҳалаў имканияты;

Ҳуқықый әмелиятты анализлеў – пайдаланыўшылардың берген ҳуқықый кейслерин анализ етиў арқалы жуўап қайтарыў;

Ҳүжжет жойбарларын таярлаў – ғәрезсиз ҳүжжет таярлаў конструкторы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 10:13


❗️Алдаўшылар жаңа усылға өтти!

Телеграм пайдаланыўшыларына "Пайдаланыўшы сизге жаңа жыл саўғасы жиберди! 1 жыл мүддетке Telegram Premium" көринисиндеги хабарлар келмекте.

Көпшилик усындай хабарларға исенип, өз телефонына хабар арқалы келген қосымшаны орнатқанынан соң, банк картасындағы пуллары алдаўшылар тәрепинен шешип алынған.

Ҳеш қашан телеграм арқалы жиберилетуғын бундай көринистеги хабарларды ашып көрмең.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 10:03


2025-жыл 1-апрелден баслап коммунал хызметлер баҳасы көтериледи

2025-жыл 1-апрелден баслап коммуналлық хызметлер ушын төлем тарифлеринде өзгерислер әмелге асырылады:

Электр энергиясы ушын бир киловатт саат баҳасы — 600 сум етип белгиленди.
Тәбийий газ ушын бир куб метр баҳасы — 1000 сум болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 08:21


❗️Паспортыңыздың әмел етиў мүддетин тексерип қойың

Мүддети өткен паспортты 1 ай ишинде алмастырмағанлар жәрийма төлейди.

паспортының әмел етиў мүддети таўсылғаннан кейин ямаса фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған жылы ҳәм миллети өзгергенде паспортын 1 ай мүддетте ID-картаға алмастырыўы керек.

әмел етиў мүддети өткен биометрикалық паспортын өз ўақтында ID-картаға алмастырмаў ҳақыйқый емес еки яғный 223-статьясына муўапық ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.

Бундай ҳуқықбузарлық БЕМның 3 есеси, яғный 1 125 000 сумға шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 06:47


❗️Қоңыраўға жуўап бердим ҳәм пулларымды жоғалттым: Өзбекстан үлкен СПАМ ҳүжимге ушырамақта

+998 78 ХХХ 21 21 сыяқлы номерлер қәўипли болыўы мүмкин, көп жағдайларда бундай номерлер артында алдаўшылар отырады. Усы сыяқлы номерлерден қоңыраў келсе жуўап қайтармаў усыныс етиледи.

Егер сиз телефонды көтерген болсаңыз, бирақ қоңыраўдың арғы тәрепинде тым-тырылық болса, онда ким ҳәм не ушын телефон етип атырғанын анықлаўға ҳәрекет етпей, сөйлесиўди дәрҳал жуўмақлаң.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 06:34


❗️Айдаўшылық гүўалығы паспорттың орнын баса алады

Министрлер Кабинетиниң «Ишки ислер уйымлары системасында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын буннан былай да жетилистириў ҳәм тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 6-бәнтине муўапық,

Пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация ID-карталары ямаса миллий айдаўшылық гүўалықларын көрсетип, банк хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.

Жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығы шахсын тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусына ийе болғаны себепли, ол банк хызметлерин көрсетиў процесинде паспорттың орнын баса алады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Jan, 05:04


Nukusda varikozdan yarim soatda og'riqsiz va garantiya bilan qutiling

Qoraqalpog'istonlik bemorlar orasida eng talabgor bo'lgan doktor Sevara 21 va 22 yanvar kunlari Nukusdagi ESTELIFE klinikasida konsultatsiya va lazerli operatsiyalarni o'tkazadi.

Sizni varikozdan 30 daqiqada, mutlaqo og'riqsiz, kesmalarsiz va garantiyali bilan xalos etamiz.

☎️ 91 828-01-01

Telegram | Instagram | Facebook

Реклама

Каракалпак 24

19 Jan, 03:03


⚡️Бираздан соң Ислам Махачев октагонға шығады

Бүгин Ислам Махачев Арман Царукян орнына Ренато Мойкано менен гүреседи.

Сиз бул беллесиўди
«TLEPOV ─ Sport» телеграм каналында тиккелей эфирде көриўиңиз мүмкин.

Каналға қосылыў
Каналға қосылыў

Реклама

Каракалпак 24

18 Jan, 17:59


❗️Ендигиден былай мәс ҳалда автомобил басқарғанлар 3 жылға шекем қамалады

Жоллардағы жол транспорты ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде Жынаят Кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар қиргизилмекте.

Ендигиден былай спиртли ишимликлерди қабыллап автомобил басқарған айдаўшылар машина айдаў ҳуқықынан айырылады.

Сондай-ақ, 2 жылдан 3 жылға шекем тәртип дүзетиў жумысларына ҳәм 2 жылдан 3 жылға шекем еркинен айырылыўы мүмкин..

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

18 Jan, 15:58


Өзбекстанда қайсы пуллар көбирек айланыста?

Мысалы, 1000 сўмлық купюралар айланыстың тек 0,6%тин қурайды — олар жүдә аз.

Қалған банкнотлар ҳаққында инфографияда танысың.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

18 Jan, 14:53


Билип қойған жақсы

❓️Электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ыссы суў есаплағышларында насазлық анықланса, оларды оңлаў ямаса жаңасына алмастырыўға байланыслы қәрежетлер кимлердиң есабынан қапланады?

❗️️Ҳүкиметтиң 698-санлы қарары менен электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ыссы суў есаплағышларын оңлаў ямаса жаңасына алмастырыў қәрежетлери тийислисинше аймақлық электр тармақлары кәрханалары, газ тәмийнаты шөлкемлери, суў тәмийнаты ямаса аймақлық ыссылық тәмийнаты кәрханаларының қаржылары есабынан толық қапланады.

☎️ Есаплағышлар ушын артықша қаржы өндириў сыяқлы жагдайларда 1008 ҳәм 1148 исеним телефон номерлерине қоңыраў етиң.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

18 Jan, 14:36


Samsung Galaxy S25, S25+ ҳәм S25 Ultra сүўретлери тарқалды

NowBar деп аталыўшы жаңа АI функциясы дыққатқа ылайық: ол пайдаланыўшы мағлыўматларын талықлап, жағдайға сай ценарыйлер таярлайды. Мысалы, саяхатқа шығыўдан алдын жолда керек болатуғын қосымшаларды бир жерге топлап, шығыў ўақты ҳаққында ескертеди, музыкалық плейлист дүзеди ҳәм т.б.

Презентация 22-январь күни өткерилиўи күтилмекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

18 Jan, 14:19


Фермер хожалықларына жеңиллетилген кредит алыў ушын ресурс қаржылары ажыратылып баслады

Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фонды тәрепинен 2025-жылы фермер хожалықларына мийўени қайта ислеў, сүт өнимлерин қайта ислеў, мийўе-палыз өнимлерин қурғатыў цехи, музлатқышлы қоймахана, ыссыхана, бағ, тутзарлар шөлкемлестириў мақсетинде жеңиллетилген кредит алыў ушын ресурс қаржылары ажыратылып баслады.

Бунда, жеңиллетилген кредитти Агробанк, Халық банк ҳәм Микрокредитбанк арқалы алыўыңыз мүмкин.

Кредит қаржылары жыллық 17,5 пайыз, 7 жылға 3 жыл жеңиллетилген дәўир менен гиреў тийкарында, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен ажыратылады.

Толық мағлыӯмат районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесинен алсаңыз болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

18 Jan, 14:09


🤩 Тәжрийбели Ортопед травмотолог Нөкис қаласында

❗️Егер де сизиң перзентиңиздиң суйек ҳәм буўынларында аўырыўлар гүзетилип атырған болса балаңызды Ортопед-травмотологқа көрсетиўиңиз зәрүр

📌 24-январь күни “Medical Centre” клиникасында Ташкент қаласынан келетуғын тәжрийбели балалар Ортопед травматолог шыпакери
Жуманазаров Лазизбек Улуғбекович көрик өткереди

🤝 “Medical Centre” клиникасы пациентлерине қолайлық жаратыўдан шаршамайды

😊 Сизиң саламатлығыңыз биз ушын қәдирли

☎️ Толық мағлыўмат алыў ушын төмендеги номерге байланысың:
+998995030303

📍Мәнзил: А.Досназаров көшеси 8 а жай
📍Бағдар: Ески Әмиўдәрья бассейни

🕊Telegram | 📹YouTube | 📱Facebook | 📱Instagram

Реклама

Каракалпак 24

18 Jan, 11:54


Пенсия алыў ушын арза қалай беремиз?

1⃣ Сиз төмендеги көрсетилген ҳүжжетлерди алыўыныз керек:
• Паспорт
• Диплом
• Мийнет дәптершеси
• Балалардың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықлары;
• Ҳәзирги жумыс орыннан мийнет ис ҳақысының мағлыўматнамасы.

2⃣ Булардың барлығын алып Пенсия қорына (социаллық тәмийнат) барасыз;

3⃣ 10 жыллық мийнет ис ҳақы ҳаққындағы мағлыўматты my.gov.uz арқалы ямаса "Бир айна" арқалы сораўыңыз мүмкин (сертификат 10-20 күнде таяр болады);

4⃣ Сиз және социаллық қорғаўға барасыз, олар сизге пенсия муғдарын ҳәм қашан пенсия алыў кереклигин айтады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Jan, 12:13


❗️Муғаллимлердиң қуўанышы көпке созылмады

Хабарларға бола, муғаллимлерге 5 жылға шекем процентсиз «бөлип төлеў» шәрти менен автомобиль бериў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тапсырмасын «UzAuto Motors» бийкарлағаны айтылмақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Jan, 12:09


Коррупционер тараканға уқсайды — барлық жумысларын көзден пана жерде, қаранғыда питиреди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Jan, 11:05


"Жаслар дәптери"не киргизилгенлерге 1,5 млн сўмға шекем бир мәртелик жәрдем пулы берилиўи мүмкин

Ҳүкиметтиң 07.06.2022-жылдағы 312-санлы қарарына екинши қосымша келтирилген Нызамға тийкар:

"Жаслар дәптери"не киргизилген материаллық жағдайы аўыр жасларға бир мәртелик материаллық жәрдем ҳәр бир индивидуал жағдайда арза бериўшиниң турмыслық жағдайының қурамалылығын, оның социаллық қорғаўға мүтәжлигин есапқа алған ҳалда базалық есаплаў муғдарының 4 есеси (1 500 000) муғдарына шекем төлеп бериледи.

️Материаллық жәрдем шахсқа бир календарь жылы даўамында бир мәрте бериледи.

️Шахсқа бир мәртелик материаллық жәрдем берилиўи оны "Жаслар дәптери"нен шығарыўға тийкар болмайды.

️Усы бир мәртелик жәрдем пулын алыў бойынша ҳуқықый жақтан машқалалы сораўлары болғанлар төменде бизге жазып қалдырыўы мүмкин!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Jan, 10:32


Алдаўшылық ушын қандай жаза белгиленген?

Алдаўшылық — бул басқаның мүлкин ямаса мүлкке болған ҳуқықын алдаў яки исенимине кирип оннан пайдаланыў жолы менен қолга киргизиў.

Алдаўшылық ушын нызамшылықта жынайый жуўапкершилик белгиленген.

Жынаят кодексине муўапық, усы жынаятты ислеген шахс:

БЕМның 50 есесинен 100 есесине шекемги (37 500 000) муғдарда жәрийма;
2 жылға шекем тәртип дүзетиў ислери;
1 жылдан 3 жылға шекем азатлықты шеклеў;
3 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы мүмкин.


👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Jan, 10:04


❗️«Көринбес жынаятшы» углерод оксиди (CO) зәҳәрли газ

Жанылғылар күнделикли турмысымызда кең қолланылады ҳәм ҳәр күни турар жайларымызда қолланылады. Ысытыў қазанлары ҳәм двигателлерде жандырылған газ, нефт, көмир, ҳәттеки ағаш материалларында да углерод оксидин (CO) зәҳәрли газ шығарыўы мүмкин.

Ысытыў үскенелери (котёл) туўры орнатылғанда ҳәм де оларға техникалық хызмет турақлы түрде көрсетилгенде, CO зәҳәрли газ пайда болыў итималлығы сезилерли дәрежеде кемейеди.

Углерод оксиди (CO) зәҳәрли гази менен зәҳәрлениў қурбанларының көпшилиги ысытыў үскенелеринде жетерли дәрежеде ҳаўа алмасыў мүмкиншлиги жаратылмағанлығы нәтийжесинде келип шығады. 

Сиз турар жайларда ысытыў үскенелеринен пайдалансаңыз, төмендегилерге әмел етиўиңиз керек:

Ысытыў үскенесин турар жай имаратынан бөлек жайластырыў;

Ысытыў үскенеси орнатылған ханада ҳәм де үскенениң өзинде тийисли самаллатыў илажын ислеў;

Ысытыў үскенеси туўры орнатылыўы, яғный ысытыў үскенесиниң морысы 600 мүйеш астында ямаса тик етип қурылыўы ҳәм де турар жай имаратының төбесинен 50 см шығып турыўы; 

Ҳәр жылы, ысытыў мәўсиминен ҳәм де пайдаланыўдан алдын ысытыў үскенесине техникалық хызмет көрсетилиўи, яғный ысытыў үскенесиниң морысы ҳәр түрли шығындылардан тазаланыўы;

Егер сиз көп қабатлы турар жайларда хананы ысытпақшы болсаңыз, онда ишки ысытыў үскенеңиздиң орнына көп қабатлы турар жайға келип турған орайластырылған ямаса локал ыссылық системасына жалғаныўыңыз керек ямаса заводта ислеп шығарылған (қәўипсизлик талапларына туўры келетуғын) ысытыў үскенесинен пайдаланыўыңыз керек.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Jan, 09:50


❗️"Орайлық банк" пуқараларды ескердети

Олар пуқараларға телефон етип, өзлерин Орайлық банк хызметкерлеримиз деп таныстырып, олардың карталарындағы пулларды алдаўшылық жолы менен шешип алмақта.

Сондай-ақ, олар қосымша мағлыўмат ҳәм жеке мағлыўматларды алыў мақсетинде Телеграмда жалған "Орайлық банк" каналларын ашқан.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Jan, 05:30


Gobozor: yangi foydalanuvchilar uchun promokod

Gobozor - bu:

• Xitoydan to‘g‘ridan-to‘g‘ri ishlab chiqaruvchilardan 20 000 000 dan ortiq mahsulotlar
• Mahsulotlar arzon narxlarda
• Butun O‘zbekiston bo‘ylab yetkazib berish
• Click, Payme, Uzcard, Humo orqali to‘lash imkoniyati
• Muddatli to‘lovni rasmiylashtirish imkoniyati mavjud

Yangi foydalanuvchilar uchun gobozor150 promokod bilan birinchi buyurtmaga 150 000 so‘m chegirma mavjud.
Saytga o‘tish: Gobozor.tut.uz

p.s.
Savollar bormi?
Bizga yozing: @tut_support_bot

Реклама

Каракалпак 24

10 Jan, 17:50


Тутыныўшы сапасыз өнимди 24 саат ишинде алмастырыўға хақылы

Нызамшылыққа көре, сапасыз товар сатып алған тутыныўшы, егер кемшиликлер сатыўшы тәрепинен айтылмаған болса, өзиниң таңлаўына көре сатыўшыдан (азық-аўқат товарларына салыстырғанда тутыныўшы сатып алынғаннан кейин 24 саат даўамында бундай ҳуқыққа ийе болады) төмендегилерден бирин талап етиўге ҳақылы:

- тап сондай маркадағы (модел, артикулдағы) товарға алмастырыўды;

- өним баҳасын тийисли түрде қайта есап-китап еткен ҳалда басқа марка (модел, артикул) дағы тап усындай товарға алмастырыўды;

- өним баҳасын пропорционал түрде кемейтирилиўин;

- товардың кемшиликлерин тезлик пенен бийпул сапластырыў;

- товардың кемшиликлерин сапластырыў қәрежетлерин қаплаўын.

Бунда тутыныўшы сапасыз товар сатылғанлығы ақыбетинде өзине жеткизилген зыян толық қапланыўын талап етиўге ҳақылы болып табылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Jan, 16:07


Социаллық қорғаўға мүтәж халыққа 15 триллион сумлық социаллық напақалар төленди

2024-жылы жәми 14 962,7 млрд сумлық социаллық напақалар арқалы 2,6 миллион бенефициарлар (2 миллионға шамалас шаңарақлар ҳәм 600 мыңнан аслам шахслар) социаллық қорғаў системасы менен қамтып алынған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Jan, 15:24


☀️ Дем алыс күнлери ҳаўа температурасы +11 дәрежеге шекем көтериледи

Синоптиклер усы ҳәптеде бақланыўы мүмкин болған ҳаўа-райы ҳаққында мағлыўмат берди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Jan, 15:09


Өзбекстанда жаңа жол белгиси енгизилмекте

"Бийик пиядалар өтиў жолы" деп аталған жаңа жол белгиси пиядалар ағымы жоқары болған аймақлар, мектеплер, балалар бақшасы, балалар ойын майданшалары бар, шекленген тезлик 30 км/с болған аймақларда орнатылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Jan, 15:08


Нызамшылықта кимлер пенсияларына қосымша үстемелер алыўы мүмкин?

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Jan, 13:13


❗️Оқытыўшылар мəжбүрий медициналық көриктен ѳтпесе жәриймаға тартылады ма?

Медициналық көриктен ѳтпегенлиги ушын жəрийма жоқ. Мийнет кодексиниң
355-статьясына көре, мəжбүрий медициналық көриклерден өтиўи керек.

Бул кодекстиң 360-статьясына бола, жумыс бериўши улыўма орта билим бериў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң ҳəм басқа шөлкемлердиң тиккелей балаларға тəлим ямаса тəрбия бериў менен бəнт болған педагог хызметкерлерин ҳəм басқа хызметкерлерин дəслепки (мийнет шəртнамасын дүзип атырғанда) ҳəм дəўирли (мийнет искерлиги даўамында) мəжбүрий медициналық көриктен өткериўди шѳлкемлестириў шәрт.

Бунда жумыс бериўши мəжбүрий медициналық көриктен өтпеген ямаса мəжбүрий медициналық көрик нəтийжелерине көре, медициналық комиссиялар тəрепинен берилген усынысларды орынлаўдан бас тартқан шахсларды жумыстан шетлестириўи шәрт.

Солай екен жоқарыдағы жағдайда медициналық көриктен өтпегенлиги ушын жəрийма жоқ.


👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Jan, 12:53


Хожелиден өтиўши «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» жолында тезлик 70 км ге түсирилди

Бул ҳаққында Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы мәлим етти. Оған бола, автомобиль жолының 795-806 км аралығында автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениў тезлиги саатына 70 км деп белгиленди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Jan, 12:38


Нызамшылыққа муўапық, subsidiya.mf.uz” платформасында исбилерменлерге усынылатуғын қоллап-қуўатлаў илажларының түрлери, мүддетлери ҳәм тәртибин өз ишине алған өз алдына реестр жүргизиледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Jan, 12:23


14-январь — Ўатан қорғаўшылары күни дем алыс болама?

Яқ. Бул сәне жумыс исленбейтуғын байрам күни сыпатында белгиленбеген. Солай екен, 14-январь ҳәмме ушын әдеттегидей жумыс күни болып есапланады.

2025-жылы жумыс исленбейтуғын байрам күнлери төмендегише:

1-январь – Жаңа жыл;
8-март – Ҳаял-қызлар күни;
21-март – Наўрыз байрамы;
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни;
1-сентябрь – Ғәрезсизлик күни;
1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни;
8-декабрь – Конституция күни;
Қурбан ҳайыты

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Jan, 12:13


Пуқаралар  дыққатына!!!

Энергияны үнемлеў яки улыўма пул тѳлемей қосымша аўысқан хәр бир кВт электр энергияны 1000 сумнан сатып қосымша дәрамат табыў ушын үлкен имканият усыныс етемиз:

⚡️ 3 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 9 400 000 сумға (16 900 000 сум орнына!)
⚡️ 5 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 18 500 000 сумға (26 000 000 сум орнына!)

Биз не усыныс етемиз?
🛡    20 жыллық кепиллик ҳәм 1 жыллық сервис хызмет
🔝    Жоқары сапалы үскенелер
❤️    Тез ҳәм исенимли хызмет

Шәртнама дүзиў ушын керекли хужжетлер:
1. турақ жайыңыздың кадастр ҳүжжети, (метрика, загс, паспорт егер кадастр туўысқанының атында болса)
2. Сиз турақ жай ийеси болыўыңыз яки сол жерде турақлы рухсатқа ийе болыўыңыз керек.

•  Куяш панели ушын кеткен карежетинизди канша уакытта каплайсыз?
•  1000 сумнан сатып кашан канша дарамат таба аласыз? 
•  Сиз хазир токка канша толем толейсиз?  

Бизден мәсләҳәт алыў ушын байланыс нѳмер:
+998953700155  +998953770155
Мәнзил:
📍Нѳкис қаласы М.Жуманазаров кѳшеси 57 уй, бағдар Қарақалпағым кафе.


Реклама

Каракалпак 24

09 Jan, 16:37


️"Басламалы бюджет" жойбарына 1-февраль күни старт бериледи

Экономика ҳәм финанс министрлигиниң хабарына бола, басламалы бюджеттиң биринши мәўсими 1-февраль күни басланады.

Биринши мәўсим жеңимпазлары 21-март күни жәрияланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 16:19


❗️Өзбекстанда 1-январдан күшке кирген айырым өзгерислер:

Ташкентте автобус ҳәм метрода нақ пул түриндеги жолланба баҳасы артты;

мәмлекетлик мәденият мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы 20 процентке
арттырылады;

Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик бақшаларға жеңиллетилген тийкарда қабыл етиледи

сирк тамашаларында жабайы ҳайўанлардан пайдаланыў қадаған етилди;

Исбилерменлер ушын айырым ҳәкимшилик жуўапкершиликлер бийкар етилди;

улыўма аўқатланыў кәрханаларына пайда салығы ставкасы 50 процентке азайтылды;

район (қала) лардың ҳәкимликлерине жана ўәкилликлер берилди;

букмекерлик жумысын әмелге асырыўға руқсат етилди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 16:05


❗️Алдаўшылар жаңа усылға өтти!

Телеграм пайдаланыўшыларына "Пайдаланыўшы сизге жаңа жыл саўғасы жиберди! 1 жыл мүддетке Telegram Premium" көринисиндеги хабарлар келмекте.

Көпшилик усындай хабарларға исенип, өз телефонына хабар арқалы келген қосымшаны орнатқанынан соң, банк картасындағы пуллары алдаўшылар тәрепинен шешип алынған.

Ҳеш қашан телеграм арқалы жиберилетуғын бундай көринистеги хабарларды ашып көрмең.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 15:49


⚡️Жергиликли бюджеттиң қосымша дереклеринен автотранспорт ҳәм қымбат мебеллер сатып алыў қадаған етилди

Президенттиң 25.12.2024-жылдағы ПҚ-455-санлы қарары менен төмендегилер қадаған етилди:

республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының (Өзбекстан Республикасы дәрежесиндеги министрлик ҳәм мәкемелердиң) басқарыў хызметкерлери ис ҳақысын көбейтиў;

Қарақалпақстан Республикасының бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дереклери есабынан хызмет автомобиллери (арнаўлы автомобиллерден басқа), қымбат баҳалы жумсақ мебеллер ҳәм офис қуралларын (билимлендириў, илим-пән, медицина, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында пайдаланылатуғын қураллардан басқа) сатып алыў.

Республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының дизими
мына жерде.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 15:31


Uzum Marketda “Qishki likvidatsiya” boshlandi 😱

Turli toifadagi minglab tovarlarga 80% GACHA chegirmalar! Foydali shoping imkoniyatini qo‘ldan chiqarmang — eng sara tovarlar tasavvur qilganingizdan ham tezroq sotilib ketmoqda:

➡️ Xaridlarga ⬅️

Реклама

Каракалпак 24

09 Jan, 15:18


❗️2027-жылдан Өзбекстанда пластик пакетлер қадаған етилиўи мүмкин

2027-жылдан баслап пластик пакетлерди ислеп шығарыў, алып кириў ҳәм олардан пайдаланыў қадаған етилиўи ҳәм экологоялық жақтан зыянсыз пакетлерден пайдаланыў хошаметлениўи мүмкин.

Өзбекстанда 2025-2027-жылларға белгиленген пластик пенен патасланыўды кемейтиў бойынша миллий бағдарлама жойбарын ислеп шығыў режелестирилип атыр.

Бул жәмийетшилик додалаўына қойылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл жкономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама» жойбарында нәзерде тутылған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 15:01


☎️ Газ, свет, суў өшип қалса қай жерге мүрәжат етиў керек?

◾️104/1104 – газ тәмийнаты ушын;
◾️1054 – суў тәмийнаты ушын;
◾️1347 – ыссылық ҳәм ыссы суў тәмийнатындағы машқалалар ушын;
◾️1154/@het_admin – электр энергиясы тәмийнаты ушын;
◾️1055 – барлық түрдеги коммунал машқалалар бойынша мүрәжат етиў ушын.

❗️Бул мағлыўматларды сақлап қойың ҳәм жақынларыңызға да жибериўди умытпаң!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 14:51


Хожелиден өтиўши «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» жолында тезлик 70 км ге түсирилди

Бул ҳаққында Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы мәлим етти. Оған бола, автомобиль жолының 795-806 км аралығында автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениў тезлиги саатына 70 км деп белгиленди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 14:46


📢Үйиңиз ушын сапалы мебель излеп атырсыз ба ?

💰 Яки бөлип төлеўге мебель алыўды қәлейсиз ба ?

Онда бизде Сиз ушын әжайып усыныс бар

📌 “Mebel Orayı” нан өзиңиз қәлеген түрдеги мебельлерди таба аласыз

📌 Төлемлерди бөлип төлеў имканияты да бар

📌 Үйиңизден шықпаған ҳалда телеграм бот арқалы буйыртпа бериўиңиз мүмкин

🏠 Умытпаң ықшам мебель-шаңарағыңыз көрки

📞Толық мағлыўмат алыў ушын төмендеги номерлерге хабарласың:
+998956017777

📍Мәнзил: А.Досназаров көшеси 8 а жай
📍Бағдар: Прогресс мектеби жанында

🕊Telegram | 📱Instagram | 📱Facebook

Реклама

Каракалпак 24

09 Jan, 06:47


2025-жылы Өзбекстанда АИ-80 бензини сатылыўы шеклениўи мүмкин

2025-жылдың ақырына шекем, Өзбекстанда "Евро-4" стандартынан төмен экологиялық категориядағы мотор жанылғысынан пайдаланыў ҳәм сатыў шеклениўи мүмкин.

Бул ҳаққында Президенттиң "Өзбекстан – 2030 стратегиясын Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманында жәрияланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 06:25


"Ҳарамы" сөзи ақыретлеў сыпатында қабыл етилиўи мүмкин бе?

Нызамшылыққа бола, "ҳарамы" сөзиниң ақыретлеў сыпатында баҳаланыўы тилшилердиң экспертизасына байланыслы. Бул сөз "некесиз туўылған бала" мәнисин анлатады.

Нызамға муўапық:

Ақыретлеў (41-статья):
Шахстың абырайы ҳәм қәдир-қымбатын кемситиў ушын 20-40 базалық есаплаў муғдарында жәрийма.

Жала жабыў (40-статья):
Жалған мағлыўмат пенен абыройын төгиў (шерменде қылыў) ушын 20-60 базалық есаплаў муғдарында жәрийма.

Еслетпе: Бундай жагдайларда дәлиллер, әсиресе, жазыў яки аудио, әҳмийетке ийе. Ҳәр қандай тартыс суд тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 06:07


Енди Қытайға да автобуста барыў мүмкин болады

Өзбекстаннан Қытай, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус қатнаўлары жолға қойылады. Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў тараўында жумыс алып барып атырған тасыўшыларды Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Россия ҳәм Қытайға автобус қатнаўларын шөлкемлестириўде бирге ислесиўге шақырды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 06:02


🏥GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы балалардың қысқы шереклик дем алыс күнлери 3-13 январь аралығында организмди қуртлардан тазалаў бойынша медициналық хызметлерине 10% шегирме жариялайды.

📄Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
✔️Теридеги ақ дағлар; ✔️Колит ҳәм диярея; ✔️Аллергиялық кеселликлер; ✔️Киндик әтирапы аўырыўы; ✔️Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; ✔️Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; ✔️Түнде тисин ғышырлатыў; ✔️Көзлерди пирпиретиў;✔️Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б.

Шегирме баҳасы 3 кунге: 7-жасға шекем- 255 000сўм. 7-жастан үлкенлерге -295 000 сўм.

Жумыс ўақты: 09:00-12;00, 16:00-18:00

🌍Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефон: +998973543377 яки +998956013377

Телеграм Инстаграм

Реклама

Каракалпак 24

09 Jan, 04:25


"Азарт ақыбети"

"Қарақалпақфильм" киностудиясы ҳәм "Tolegenov production" студиясы менен биргеликте "Азарт ақыбети" фильми сүўретке алынған еди. Фильм мазмуны бүгинги күнде жәмийетимизде жаслар арасында жүз берип атырған актуал темаға тийкарланған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Jan, 03:29


2025-жылда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында енгизилетуғын әҳмийетли өзгерислер ҳәм тәртиплер менен танысың

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли Пәрманына тийкарланып:

2025-жыл 1-январьдан — мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасары лаўазымы енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан — район (қала)ларда кеминде биреўден таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумысы жолға қойылады;

2025-жыл 1-январьдан баслап — мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде "Методикалық шеберлик сааты", таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде "Методикалық шеберлик күни" басқышпа-басқыш енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан баслап — тренер сыпатында жумыс алып барып атырған директор орынбасарларына лаўазымлық мийнет ис ҳақысының 20 проценти муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме ҳақы төленеди;

2025-жыл 1-январьдан — қамтып алыў дәрежеси төмен болған мектеплер бос турған жер участкаларында мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыўға рухсат етиледи;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарларына тийкарланып:

2025-жыл 1-январьдан — кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллетилген тийкарда қабыл етиледи;

2025-жыл 1-январьдан — мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын белгиленген тәртипте компенсация бериў тәртиби енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан баслап — мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлериниң хызметкерлери ушын бес жылда бир мәрте жумыстан айрылған ҳалда маманлық арттырыў курслары енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан — улыўма орта билим бериў мәкемелеринде "Кәсиплик раўажланыў сааты", таяныш улыўма орта билим бериў мәкемелеринде "Кәсиплик раўажланыў күни" басқышпа-басқыш енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан — атақлы халықаралық олимпиадаларда қатнасатуғын сайланды командалардың басшысын хошаметлеў тәртиби енгизиледи ҳәм дәрамат салығынан азат етиледи;

2025-жылдан — 5-8-класс оқыўшылары арасында өткерилетуғын олимпиадаларда жоқары нәтийжелерди көрсеткен қәбилетли оқыўшылардың базасы қәлиплестириледи ҳәм оларды халықаралық олимпиадаларға мақсетли таярлаў жолға қойылады;

2025-жылдан — тийкарғы пән олимпиадаларының аймақлық басқышында табыслы қатнасқан қәбилетли жаслар ушын "Интеллектуаллық дем алыў орынлары" шөлкемлестириледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Jan, 17:05


❗️Қоңыраўға жуўап бердим ҳәм пулларымды жоғалттым: Өзбекстан үлкен СПАМ ҳүжимге ушырамақта

+998 78 ХХХ 21 21 сыяқлы номерлер қәўипли болыўы мүмкин, көп жағдайларда бундай номерлер артында алдаўшылар отырады. Усы сыяқлы номерлерден қоңыраў келсе жуўап қайтармаў усыныс етиледи.

Егер сиз телефонды көтерген болсаңыз, бирақ қоңыраўдың арғы тәрепинде тым-тырылық болса, онда ким ҳәм не ушын телефон етип атырғанын анықлаўға ҳәрекет етпей, сөйлесиўди дәрҳал жуўмақлаң.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Jan, 12:34


Электрон сигареталар айланысы қадаған етилиўи мүмкин

Бул мәселе бойынша нызам жойбары парламент додалаўына киргизилди.

Жойбарға бола, республика аймағында айырым түрдеги темеки өнимлери ҳәм никотин үскенелериниң, соның ишинде, электрон сигареталарды ислеп шығарыў, сақлаў, тасыў ҳәм сатыў қадаған етилиўи нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, бундай өнимлерди Өзбекстанға алып кириў ямаса алып шығыў ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик енгизилиўи нәзерде тутылған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Jan, 11:19


#Тайынлаў

Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳǝм қаржы министри тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ екинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қаржы - экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары - экономика ҳәм қаржы министри лаўазымына Ерлепесов Нуруллан Умирзакович тайынланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 15:24


Газ-ийсинен зәҳәрленип атырғанымызды қалайынша билемиз?

Ис-гәзи жаныўшы материяның (көмир, тәбиий гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады.
Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.

Төмендеги жағдайлар ис-гәзиниң пайда болып атырғанынан дерек береди:
Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы
-Тәбиий гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек)
— Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы
— Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы,

ис-гәзинен зәҳәрленип атырғаннан дерек береди.

Ис-гәзинен зәҳәрлениў инсан ден-саўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшиликке алып келеди.

Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 14:50


Есаплағыш бузылса қалай есап-китап исленеди?

Есаплағыш тутыныўшының айбысыз бузылған жағдайда сарыпланған суў муғдары алдынғы үш есап-китап айындағы орташа сарыпланыў бойынша анықланады. Есап-китаптың бундай тәртиби бир айдан көп қолланылыўы мүмкин емес.

Егер жоқарыдағы мәселелерде хуқықлар бузылса Бәсекини раўажландырыў ҳәм қарыйдарлар хуқықларын қорғаў комитетиниң 1159 исеним номерине мүрәжат етиў мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 14:40


😁 Pul yeg'ishga ne xojat - gar bo'lsa bo'lib to'lashga imkoniyat!

Siz uchun sara-sara smartfonlarni yeg'ib qo'ydik, kelaverasiz-a!
__

😁 Зачем копить, когда есть способ эту оплату на 24 разделить?

Собрали для вас отличные варианты для покупки, ждееем вааас!

71-209-99-44
texnomart.uz

👇Obuna bo'ling: @texnomart


Реклама

Каракалпак 24

07 Jan, 13:22


⚡️Жергиликли бюджеттиң қосымша дереклеринен автотранспорт ҳәм қымбат мебеллер сатып алыў қадаған етилди

Президенттиң 25.12.2024-жылдағы ПҚ-455-санлы қарары менен төмендегилер қадаған етилди:

республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының (Өзбекстан Республикасы дәрежесиндеги министрлик ҳәм мәкемелердиң) басқарыў хызметкерлери ис ҳақысын көбейтиў;

Қарақалпақстан Республикасының бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дереклери есабынан хызмет автомобиллери (арнаўлы автомобиллерден басқа), қымбат баҳалы жумсақ мебеллер ҳәм офис қуралларын (билимлендириў, илим-пән, медицина, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында пайдаланылатуғын қураллардан басқа) сатып алыў.

Республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының дизими
мына жерде.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 13:13


❗️️2025/2026-оқыў жылы ушын бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм оларға сәйкес тест сынағы (профессионал (дөретиўшилик) имтихан) тапсырылатуғын пәнлер комплекси тастыйықланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 13:05


#Super #Tezkor

"OMAD SHOU" tele-musobaqasining 320-sonidan mahsus lavha‼️

10 ta "DAMAS" yo'lagi hech kim yutib ololmagani uchun 321-sonida 13 ta "Damas" qilib qoyiladi‼️

13 ta "Damas" kimga nasib qilarkin🤔

Jesco va Else tea mahsulotlaridan har kuni 1 donadan harid qilib 5400 qisqa raqamiga 2 dona bo'lsa ham kod yuborib 13 ta "Damas" yutib olishingiz mumkinligini unutmang‼️

Chunki 2 dona promo kod yuborib ham Random dasturi orqali g'olib aniqlaganda "OMAD SHOU"da ishtirokchi aylanishingiz mumkin‼️

Omad shou rasmiy ilovasi‼️👇
Android uchun

Реклама

Каракалпак 24

07 Jan, 12:43


Орайлық банк бир пуқараға ажыратылатуғын карталар санына шеклеў киргизди

Орайлық банк тәрепинен бир физикалық шахсқа эмиссия етилетуғын карталар санын бир банкте 5 ке шекем, барлық банклерде 20 ға шекем шеклеў бойынша ўақтынша тәртип ислеп шығылған, деп хабар береди Daryo.uz.

Бул тәртип 2025-жылдың 1-январынан күшке кирген. Ол усы жылдың 31-декабрына шекем әмел етеди.

Бул талап виртуал ҳәм кобейжинг карталарын да өз ишине алады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 12:23


«Қорғаў ордери»н алыўға my.gov.uz арқалы арза тапсырыў жолға қойылды

Енди зорлық-зомбылықтан жәбирленген ҳаял-қызлар my.gov.uz порталы арқалы «Қорғаў ордери»н алыў ушын онлайн арза тапсырыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 11:51


Биржада бензин ҳәм пропан баҳасы арзанлады

Кеше болып өткен Биржа саўдаларында, әсиресе суйылтырылған газдиң баҳасы тоннасы 6 миллион 179 мың сумға шекем түскен.
Бул бир литр пропанның көтере баҳасы 3600 сумға шекем арзанланған дегени.

Транспорт қәрежетлери, салықлар ҳәм пайдалар менен пропанның заправкалардағы баҳасы 4500-5000 сумға шекем түсиўи мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 10:53


Және бир категория бюджет хызметкерлериниң мийнет ҳақылары 15 процентке арттырылды

Президенттиң 2024-жыл 27-декабрдеги ПП-230-санлы пәрманы менен өткен жылы 12-августта қабыл етилген мийнет ис ҳақы, пенсия ҳәм напақаларды арттырыўға байланыслы 108-санлы пәрманға тийисли өзгерис ҳәм қосымша киргизилди.

Оған бола, ендигиден былай бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын медицина хызметкерлери менен бирге фармацевтика хызметкерлериниң айлық мийнет ис ҳақылары да 15 процентке арттырылады.

Еслетип өтемиз, Пәрман менен 2024-жыл 1-октябрден баслап бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын медицина хызметкерлери, сондай-ақ, мектепке шекемги, улыўма билимлендириў, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлери, "Мүриўбет" интернат үйлери, "Меҳрибанлық" ҳәм Балалар үйлери, балалар санаторияларында ислейтуғын педагог хызметкерлерди

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 10:40


Tez orada erkaklarni tabriklaymiz!

Albatta, sovg‘alar haqida ham unutmaymiz. Uzum Marketda sizni keng tanlash imkoniyati, 70% gacha chegirmalar va nasiyaga buyurtma berish imkoniyati kutyapti. Shunday ekan, kechiktirishning nima keragi bor?

➡️ Erkaklar uchun sovg‘alar ⬅️

Реклама

Каракалпак 24

07 Jan, 08:49


Студент ҳәм мектеп оқыўшылары ушын оқыў процеси қашан басланады?

Жоқары оқыў орны студентлери ҳәм колледж, лицей, техникум оқыўшылары ушын 7-январь дем алыс жуўмақланып, 8-январдан оқыў процеси басланады.

Мектеп оқыўшыларына болса 12-январьда дем алыс тамамланып, 13-январьдан оқыў процеси басланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Jan, 04:36


⚠️ Шығындыларды белгиленбеген орынларға таслағанларға 3.7 млн сумға шекем жәрийма салынады

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бола, белгиленбеген орынларға қатты турмыслық шығындылар ҳәм қурылыс шығындыларын таслаў, сондай-ақ, суйық турмыслық шығындыларды төгиў пуқараларға БЕМның 1 есесинен (375 мың сумнан) 3 есесине (1 млн 125 мың сумға) шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Тап сондай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шара қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайта исленген болса, пуқараларға БЕМның 5 есесинен (1 млн 875 мың сумнан) 10 есесине (3 млн 750 мың сумға) шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 16:28


❗️Ертеңнен баслап Өзбекстанға Кәспий теңизи аймағынан ығал ҳәм суўық ҳаўа ағымым кирип келеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 15:06


❗️Енди мәмлекетлик ЖООлар магистратурасына қосымша қабыллаў тийкарында оқыўға кирген студентлерге тәлим кредити берилмейди

Бул — 2025-жылғы мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамның орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы президент қарарында нәзерде тутылған.

Оған бола, билимлендириў шөлкеминде билим алыў мақсетинде еселенген төлемли-контрактты ҳәм еселенген төлемли-контракттың минимал муғдарына тең болған бир мәртелик басқа төлемлерди және мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилген абитуриент ҳәм студентлердиң төлемли-контракт төлемлерин әмелге асырыў ушын тәлим кредитин ажыратыўға жол қойылмайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 12:32


Шавкат Мирзиёев 6-январдан баслап қысқа мүддетли мийнет дем алысына шықты.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 12:08


Электрон сигареталар айланысы қадаған етилиўи мүмкин

Бул мәселе бойынша нызам жойбары парламент додалаўына киргизилди.

Жойбарға бола, республика аймағында айырым түрдеги темеки өнимлери ҳәм никотин үскенелериниң, соның ишинде, электрон сигареталарды ислеп шығарыў, сақлаў, тасыў ҳәм сатыў қадаған етилиўи нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, бундай өнимлерди Өзбекстанға алып кириў ямаса алып шығыў ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик енгизилиўи нәзерде тутылған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 11:25


ДСМ: Социаллық тармақларда тарқалган хабарлардағы балалардың метапневмовирусқа шалынғаны ҳаққындағы мағлыўматлар тийкарсыз!

Жаңа жыл алдынан Республикалық қәнигелестирилген педиатрия илимий-әмелий медицина орайының жәми бес бөлиминде — Жаңа балаларды күтиў, Жаңа балалар патологиясы ҳәм реанимациясы, Гепатология, Нефрология және Улыўма педиатрия бөлимлеринде профильактикалық жуўыў-тазалаў ҳәм зыянсызландырыў жумыслары әмелге асырылған.

Бул бөлимлердиң барлығы бүгин, 6-январьдан баслап қайта ашылды ҳәм бул жағдай тәбийғый түрде наўқаслар ағымының салыстырмалы артыўына себеп болды.

Қалаберсе, орай социаллық тармақлардағы хабарларда атап өтилген жуқпалы кеселликлерге шатылған наўқасларды қабыл етиў ҳәм емлеўге қәнигелескен емес.

Еслетип өтемиз, социаллық тармақларда Республикалық педиатрия орайы наўқас балалар менен толғаны, олардың бир бөлеги жаңа вирусқа шалынғаны ҳаққында хабарлар тарқалған еди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 10:50


Студент ҳәм мектеп оқыўшылары ушын оқыў процеси қашан басланады?

Жоқары оқыў орны студентлери ҳәм колледж, лицей, техникум оқыўшылары ушын 7-январь дем алыс жуўмақланып, 8-январдан оқыў процеси басланады.

Мектеп оқыўшыларына болса 12-январьда дем алыс тамамланып, 13-январьдан оқыў процеси басланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 10:43


❗️ӨЗБЕКСТАНДА "ӨРТКЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ" ДЕГЕН МИНИСТРЛИК ЖОҚ ҲӘМ ҲЕШ КИМНЕН БУЛ УШЫН ПУЛ ЖЫЙНАЛМАЙДЫ

️Ҳәзирги ўақытта мәҳәллелерде үйме-үй жүрип, "Өртке қарсы гүресиў" шөлкемине тийисли екенимизди айтып, 20 000 сумнан пул жыйнап жүрген жағдайлар және көбеймекте. Олар өзлериниң жеке меншик шөлкеми тәрепинен алынған гүўалықты көрсетип, өртке қарсы гүресиўден екенин айтпақта ҳәм техникалық тексериўлер ушын 1 жыллық төлемли шәртнама усыныс етпекте.

Өзбекстан Нызамшылығында ҳеш қандай өртке қарсы гүресиў ушын пул төлениўи нәзерде тутылмаған ҳәм бундай министрлик ямаса мәмлекетлик шөлкем улыўма жоқ. Мәжбүрий төлем де жоқ.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 10:33


⚡️Medicina kolledj hám texnikumların pitkerip 3 jıl jumıs islemeseńiz diplomıńız kúyip ketiwinen xabarıńız barma ?

Jumıs iskerligińizde 3 jıl úzilis boldıma ?

Onda siz ushın diplomdı qayta tiklep jumıs baslawıńız múmkin


Preziden qararı tiykarında ashılǵan ÁTIYAJ medicina hám pedagogika kadrlar mamanlıǵın asırıw hám olardı qayta tayarlaw orayı sizge online hám offline oqıwdı usınıs etedi

FELDSHER
AKUSHERKA
HAMSHIRA
DSENM vrach járdemshileri
DSENM laborant hám qosımsha
Tis texnigi
FARMACEVT ASSISTENTI usı hámde qosımsha barlıq Orta medicina kadrları diplomın qayta tiklewi múmkin
-Orta medicina kadrları jańa bólimge ótiwi múmkin



Tolıq maǵlıwmat alıw ushın:
☎️ +998997794345
☎️ +998910973611

👉 @ATIYAJ_ORAYI

Реклама

Каракалпак 24

06 Jan, 07:30


❗️ДСМ: Метапневмовирус жаңа кеселлик емес

Денсаўлықты сақлаў министрлиги бул вирус бойынша мағлыўмат берди. Оған бола, метапневмовирус алдыннан мәлим инфекция болып, биринши мәрте 2001-жылы анықланған.

Метанпевмовирусының гүз-қыс мәўсиминде белсендилесиўи бақланады. Бул инфекция әдетте мурын ағыўы, жөтел ҳәм температура белгилери менен, өткир респиратор вируслы инфекциялар сыяқлы пайда болады. Айырым жағдайларда бронхиолит ҳәм пневмонияны келтирип шығарады.

Кеселликти емлеў ушын үй шәраятында наўқастың жағдайын жақсылаўға қаратылған емлеў усыллары қолланылады. Аўыр жайдарларда кислородлы терапия ямаса емлеўханаға жатқарыў талап етилиўи мүмкин.

Өзбекстанда да ҳәзирги ўақытта өткир респиратор инфекцияларының мәўсимлик көтерилиўи бақланбақта. Олардың лаборатория тексериўлери турақлы әмелге асырылып атыр. Бундай тексериўлердиң 39,9%инде грипп, 32,2%инде риновирус, 30,6%инде  респиратор-синцитиал вирус ҳәм 1,2%инде метапневмовирус анықланған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 07:18


❗️Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкис ҳәм Ургенч аэропортларында қолайсыз ҳаўа райы себепли самолётларды қабыллаўда ўақтынша шеклеўлер қойылды.

Ташкент – Нөкис жөнелиси бойынша HY-11 рейси Нөкистеги думан себепли кешиктирилген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 07:16


Янги йил — янгиланишлар вақти. HONOR X9c Smart версиясини тақдим этамиз.

Тушишдан ҳимоялаш технологияси — ишлаб чиқаришнинг такомиллашган механикаси ва 2 метр баландликдан тушишга қарши намунали чидамлилик. HONOR X9c Smart — бу уч қатламли сув ўтказмайдиган корпус тузилиши ва 360° тўлиқ ҳимоя қилиш хусусиятига эга. Ҳаракатларингизда эркин бўлинг ва смартфонингизнинг кутилмаган шикастланишларидан ташвишланманг.

Смартфонни техника дўконларидан харид қилинг ва махсус совғага эга бўлинг!

HONOR X9c Smart — Eнгилмас Куч.

Сайт | Instagram | Телеграм

Реклама

Каракалпак 24

06 Jan, 05:56


❗️Сатылмай қалған Cobalt ушын және шәртнама ашылады

"UzAuto Motors" 7-январь саат 10:00де Chevrolet Cobalt GX-STYLE AT PLUS ҳәм Chevrolet Cobalt Midnight автомобиллери ушын шәртнама ашылатуғынлығын мәлим етти.

Шәртнаманы тек ғана http://savdo.uzavtosanoat.uz сайты арқалы алыў мүмкин болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

06 Jan, 05:46


❗️ҲҮРМЕТЛИ ТРАНСПОРТ БАСҚАРЫЎШЫЛАРЫ!

Ҳәзирги ўақытта Республикамыз аймақғында думан гүзетилип атырғанлығы себепли жолларда тезликти асырмаў, жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол ҳәрекети ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде ҳәрекет қәўипсизлигине қатаң әмел етиўиңизди сорап қаламыз.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 15:06


❗️Басшы хызметкерлердиң ис ҳақылары еки есе асырылыўы күтилмекте

Президентке мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасында 2025-жылда әмелге асырылатуғын алдағы ўазыйпалар бойынша мәлимлеме берилгени ҳаққында хабар берилген еди.

Онда билимлендириў мәкемелери баслық хызметкерлериниң айлық ис ҳақыларын асырыў бойынша да бир қанша усыныслар илгери сүрилди.

2025-2026-оқыў жылынан баслап мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери директорлары, мектеп директоры орынбасарларының ис ҳақысы муғдарлары асырылады.

Соның менен бирге, 2026-жылдан баслап мектеп директорлары ҳәм олардың орынбасарларына жумыс искерлиги нәтийжелерине көре қосымша үстемелер енгизилиўи режелестирилмекте.

Буннан тысқары, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасындағы басшы хызметкерлериниң лаўазым ис ҳақыларына узақ мүддет ислегенлиги ушын ҳәр айлық үстеме ҳәмде тағы басқа қосымша төлемлер төлениўи жолға қойылады.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң атап өтиўинше, мектеп директорларының айлық ис ҳақысы 20 процентке шекем асырылады. Егер олар «Директорлар мектебинен» өтсе, айлық ис ҳақылары тағы 50 процентке асырылыўы есабына олардың ис ҳақысын 2 есе асырыўға ерисиледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 14:35


Қазақстанда 30 адам Қытайда анықланған жаңа метапневмовирус пенен наўқасланды

Республикалық Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қазақстанда 2024-жыл октябрь айынан берли Қытайда алдын анықланған жаңа метапневмовирус 30 адамда анықланғанын мәлим етти.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 13:28


️2025-жылдан педагоглар ушын тәжирийбе арттырыў системасы енгизиледи

Мәмлекетимиз басшысына мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында 2025-жылы әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар бойынша мағлыўмат берилди.

Оған бола, кейинги жылдан аймақлардағы қәнигелигин арттырыў орайларында оқыў процесслери өзгертиледи. Онда ҳәр бир муғаллимниң мүтәжлигинен келип шығып, еселенген тәжирийбе арттырыў системасы енгизиледи.

Маманлық сынағынан өтпегенлер айрықша бағдарлама тийкарында қосымша оқытылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 13:14


Қуяш панели ушын кредит алынғанында кредит пайызы ушын компенсация бериледи

Банклер тәрепинен «жасыл» тутыныў кредити қуяш фотоэлектр станциясы, қуяш суў ысытқышлары ҳәм самал электр станцияларын орнатыў мақсетлери ушын ажыратылады.

БЕМның 500 есесине шекемги болған «жасыл» тутыныў кредитлери бойынша пайыз ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асқан, бирақ 5 пайызлы бәнттен көп болмаған бөлеги ушын 3 жыл компенсация бериледи.

Яғный, бүгинги күнде ОБ тийкарғы ставкасы 14 пайыз, егер кредит пайызы 19 пайыз болса оның 5 пайызы мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Усы компенсация ушын өз алдына мүрәжат етиў талап етилмейди, «жасыл» кредит ажырататуғын банклер автоматластырылған түрде арзаны өзлери жибереди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 13:05


#вакансия

👨‍💼 Лаўазым: ⁨Ис басқарыўшы
🏛 Мекеме: ⁨KUSHMAG - есик ислеп шығарыўшы кәрханасы
📍 Мәнзил: ⁨Нөкис қаласы, Хөжели Гүзары 87
📌 Талаплар: ⁨
- Ер адам болыўы керек.
- Жасы 25-35 арасында.
- Жоқары мағлыўматлы,
- Жасаў мәнзили нөкистен болған.
-  Кеминде 5 жыллық ис тәжрийбесине ийе болыўы.
- Саўда-сатықтан хабары болыўы.
Жумыс ўақты: ⁨9:00 - 18:00⁩
💰 Айлық: ⁨500$+Пайдадан%

Тек 1 жумыс орны бар ҳәм жумысшылар сәўбет тийкарында алынады. Толық мағлыўмат алыў ушын усы группаға қосылың👇

📱 t.me/kushmag_vakansiya

Реклама

Каракалпак 24

05 Jan, 11:53


Мәҳәлле баслықлары ҳәм хызметкерлериниң айлықлары азайтылады

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў қоры есабынан пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң лаўазымлық мийнет ис ҳақыларына ҳәр айлық үстемелер 2025-жыл 1-январдан баслап төленбейди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 11:42


😱 So’nggi imkoniyat!

5-yanvargacha 1+1 AKSIYASI!
Istalgan do'konlarimizdan ham chegirma, ham SOVG'A oling!

*Ertaga oxirgi kun, shoshiling!
___

😱 Последний шанс!

Акция 1+1, по 5 января!

Получите и скидку и подарок за покупку, в любом из наших магазинов!

*Завтра последний день, спешите!

71-209-99-44
texnomart.uz

👇Obuna bo'ling: @texnomart

Реклама

Каракалпак 24

05 Jan, 10:53


Студент ҳәм мектеп оқыўшылары ушын оқыў процеси қашан басланады?

ЖОО студентлери ҳәм колледж, лицей, техникум оқыўшылары ушын 7-январь дем алыс жуўмақланып, 8-январдан оқыў процеси басланады.

Мектеп оқыўшыларына болса 12-январьда дем алыс тамамланып, 13-январьдан оқыў процеси басланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 10:43


❗️Шет тилин билетуғын мәмлекетлик хызметкерлерге үстеме төлеў тоқтатылды

2025-жыл 1-январьдан баслап, Өзбекстанда шет тиллеринен миллий ҳәм халықаралық сертификатқа ийе болған мәмлекетлик басқарыў уйымларының барлық буўынларының хызметкерлерине қосымша үстеме төлеў тоқтатылды.

20% қосымша мийнет ис ҳақы алатуғынларға да тоқтатылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 09:13


Ашлық инсан өмирин узайтады

Инсан аш болған ўақтында литохол кислотасы пайда болады — ол клеткаларды қарыўдан қоргайды ҳәм тоқымаларды жасартады.
Бул ҳайўанларда табыслы сынақтан өткерилди.

Енди илимпазлар литохол кислотасын дәриге айландырмақшы, инсан өмирин узайтыў ушын оны организмге киргизиў мүмкин болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 06:53


"Ҳудудгазтәмийнат" газ есаплағышлар батареялары менен байланыслы машқалаларға түсиник берди

"Ҳудудгазтәмийнат" АЖ электрон газ есаплаў үскенелеринде бақланып атырған машқалаларға мүнәсибет билдирди.

Атап өтилиўинше, анықланған кемшиликлерди сапластырыў менен республика бойлап 2 мыңға шамалас қәниге ислемекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 06:16


Дүньядағы ең кексе ҳаял қайтыс болды

Дүньядағы ең кексе адам сыпатында танылған япониялы Томико Итоока 116 жасында қайтыс болды.

Ҳаял император Мэйдзи дәўиринде 1908-жылы 23-майда Осакада туўылған. Жаслығында орта мектептиң волейбол командасының ағзасы болған. Ол 1979-жылда бийикликке көтерилиў ҳәм пияда жүриў менен шуғылланған.

Ҳёго префектурасы ҳәкимиятына бола, Итоока медицина орайында дүньядан өткен.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 06:08


Тəбиий тынышлық мəнзилинде денсаўлығыңызды тиклеўди қәлесеңиз

🤩 Имканият санаториясы әйне сиз ушын !

🤗 Санаториямызда заманагөй технологиялар ҳəм тəжирийбели шыпакерлер сизди күтпекте !

🏢Санаториямызда :
📌Жемчужная ванна
📌Гидроколонотерапия
📌Дузлы хана
📌Отлы массаж
📌Биоэлектрик массаж
📌Лимфодренаж
📌Ийне менен емлеу
ҳәм басқа да заманагөй түрдеги ФИЗИОТЕРАПИЯЛЫҚ үскенелер бар

🧑‍⚕️ Тәжрийбели ТЕРАПЕВТ ҳәм НЕВРОПАТОЛОГ шыпакерлеримизден ем ала аласыз

📍Мəнзил: Нөкис қаласы, Гербиш завод. 25-жөнелисли маршруттың ақырғы бәндиргиси

⬇️Мағлыўмат ушын төмендеги номерге байланысың:
📞 90-703-03-03

🕊Telegram | 📱Instagram | 📹YouTube

Реклама

Каракалпак 24

05 Jan, 05:55


My.gov.uz​ порталы арқалы мәмлекетлик хизметлерден онлайн пайдаланың!

💻 my.gov.uz/oz/service/308 — Такси айдаў ушын лицензия алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/913 — Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/853 — Автотранспортты онлайн қамсызландырыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/412 — Өзбекстан Республикасынан шығыўға ўақтыншалық шеклеў қойылғанлығы жағдайын анықлаў;

💻 my.gov.uz/uz/service/491 — Өз-өзин бәнт еткен шахсларды дизимнен өткериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/263 — Есапланған ис ҳақы сўммалары ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/486 — Напақа тайынлаў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/378 — Паспортты ID картаға алмастырыў ушын арза жибериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/498 — UzAuto Motors AJ арқалы автомобил сатып алыў ушын нәўбетти тексериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/418 — Сырт елге шығыў паспортын рәсмийлестириўге арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/745 — "Ҳаяллар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/748 — "Жаслар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/743 — "Темир дәптер"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/587 — “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри”не кириў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/654 — Aвтотранспорт қуралларының тыйымды тексериў;

💻 my.gov.uz/oz/service/938 — Кредит тарийхы үйренилгенлиги бойынша ескертиўши «СМС-хабарнама» алыў.

💻 Oilakredit.uz — шаңарақлық исбилерменлик бойынша кредит алыў ушын арза бериў;

💻 online-mahalla.uz — бул дизимде көрсетилген жөнелислер ушын субсидия алыў мүмкин;

💻 ipoteka-bozori.uz — жаңа тәртиптеги ипотека кредитлери;

💻 Subsidiya.mf.uz — субсидия рәсмийлестириў бойынша;

💻 smart-market.uz — ири ислеп шығарыўшы, көтере саўда, жеткерип бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлер ушын өз өним ҳәм хызметлерин еркин сатыў және кредит алыўшылар ушын өним жеткерип бериўши фирманы еркин таңлаў имканияты бар.



💻 talim-krediti.uz яки talim-krediti.mf.uz — тәлим кредитин алыў ушын;

💻 Infokredit.uz ёки my.gov.uz — кредит тарийхын билиў ушын;

💻 bank-kredit.uz  —"20 исбилермен - 500 мың маман қәнийге" дастүри шеңберинде кредитге арза бериў;

💻 portal.infokredit.uz — Юридик шахслар кредит тарийхы ҳаққындағы мағлыўматты алыў ушын.

📱my.gov.uz қосымшасын жүклеп алыў: Google Play яки App Store

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Jan, 05:41


Қарақалпақстандағы Савицкий музейинде 800 миллион долларлық картина бар екенлигин билесиз бе?

Танымалы художник Василий Лысенко авторлығындағы «Буға» картинасы Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейинде сақланбақта.

Мәлим болыўынша, оның баҳасы 800 миллион долларды қурайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 15:54


❗️46 млн сўмды алдаўшылық жолы менен өзлестирген жалған трейдерге жынаят иси қозғатылды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 15:40


Студент ҳәм мектеп оқыўшылары ушын оқыў процеси қашан басланады?

Жоқары оқыў орны студентлери ҳәм колледж, лицей, техникум оқыўшылары ушын 7-январь дем алыс жуўмақланып, 8-январдан оқыў процеси басланады.

Мектеп оқыўшыларына болса 12-январьда дем алыс тамамланып, 13-январьдан оқыў процеси басланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 14:07


❗️Ески үлгидеги долларларды сатыў ҳәм сатып алыў банклерде ҳеш қандай машқаласыз әмелге асырылады

Орайлық банк ҳәзирги күнде мәмлекет аймағында ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы (2009-жылға шекем емиссияланган) банкнотларды банклер тәрепинен сатыў ҳәм сатып алыўға байланыслы әмелиятлар ҳеш қандай машқалаларсыз әмелге асырылып атырғанын мәлим етти.

Соның менен бирге, ҳеш бир мәмлекет есап-санақларында ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы банкнотлардың нызамлы төлем қуралы сыпатындағы статусы өзгермеген.

Орайлық банк халық ҳәм исбилерменлик субектлерин социаллық тармақларда тарқалып атырған тастыйықланбаған мағлыўматларға исенбеўге шақырып, тек ғана рәсмий дәреклерге сүениўди усыныс етти.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 12:38


Январьдан нызамшылықта нелер өзгермекте?

Айырым билимлендириў шөлкемлери коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи;

Букмекерлик хызметин әмелге асырыўға руқсат етиледи;

Басым ҳәм зорлықты әмелге асырыўға бейим болған шахслардың реестри жүргизиледи;

Халықтың жалғыз электрон реестри енгизиледи;

subsidiya.mf.uz платформасында исбилерменлерге берилетуғын қоллап-қуўатлаўлардың реестри жүргизиледи;

Жынаят ислери бойынша район, қала судларында тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи;

Халық ҳәм мәмлекет хызметкерлериниң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлери арттырылады;

Майыплығы болған шахсларға қолайлы ҳәм тосықларсыз орталық жаратылады;

Пуқаралар қабыллаўы ҳәм қабыллаўларды өткериўде мәжбүрий түрде сурдо аўдармашының қатнасыўы тәмийинленеди;

Ғалабалық аўқатланыў кәрханаларына пайда салығының ставкасы 50%ке кемейтиледи;

Айырым жер участкалары бойынша салық ставкасы 50%ке кемейтиледи;

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң фонды есабынан бақшалардың басшы ҳәм педагоглары хошаметленеди;

Бақшаларда инклюзив билимлендириў топарлары ашылады;

«Ишга марҳамат» моноорайларында жумыс бериўшилердиң талабына тийкарланып курслар шөлкемлестириледи;

Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларға үй-жай шәраятларын жақсылаў ушын социаллық жәрдем көрсетиледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 12:10


🏥GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы балалардың қысқы шереклик дем алыс күнлери 3-13 январь аралығында организмди қуртлардан тазалаў бойынша медициналық хызметлерине 10% шегирме жариялайды.

📄Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
✔️Теридеги ақ дағлар; ✔️Колит ҳәм диярея; ✔️Аллергиялық кеселликлер; ✔️Киндик әтирапы аўырыўы; ✔️Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; ✔️Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; ✔️Түнде тисин ғышырлатыў; ✔️Көзлерди пирпиретиў;✔️Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б.

Шегирме баҳасы 3 кунге: 7-жасға шекем- 255 000сўм. 7-жастан үлкенлерге -295 000 сўм.

Жумыс ўақты: 09:00-12;00, 16:00-18:00

🌍Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефон: +998973543377 яки +998956013377

Телеграм Инстаграм

Реклама

Каракалпак 24

04 Jan, 11:12


Қуяш панели ушын кредит алынғанында кредит пайызы ушын компенсация бериледи

Банклер тәрепинен «жасыл» тутыныў кредити қуяш фотоэлектр станциясы, қуяш суў ысытқышлары ҳәм самал электр станцияларын орнатыў мақсетлери ушын ажыратылады.

БЕМның 500 есесине шекемги болған «жасыл» тутыныў кредитлери бойынша пайыз ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асқан, бирақ 5 пайызлы бәнттен көп болмаған бөлеги ушын 3 жыл компенсация бериледи.

Яғный, бүгинги күнде ОБ тийкарғы ставкасы 14 пайыз, егер кредит пайызы 19 пайыз болса оның 5 пайызы мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Усы компенсация ушын өз алдына мүрәжат етиў талап етилмейди, «жасыл» кредит ажырататуғын банклер автоматластырылған түрде арзаны өзлери жибереди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 10:57


Және бир категория бюджет хызметкерлериниң мийнет ҳақылары 15 процентке арттырылды

Президенттиң 2024-жыл 27-декабрдеги ПП-230-санлы пәрманы менен өткен жылы 12-августта қабыл етилген мийнет ис ҳақы, пенсия ҳәм напақаларды арттырыўға байланыслы 108-санлы пәрманға тийисли өзгерис ҳәм қосымша киргизилди.

Оған бола, ендигиден былай бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын медицина хызметкерлери менен бирге фармацевтика хызметкерлериниң айлық мийнет ис ҳақылары да 15 процентке арттырылады.

Еслетип өтемиз, Пәрман менен 2024-жыл 1-октябрден баслап бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын медицина хызметкерлери, сондай-ақ, мектепке шекемги, улыўма билимлендириў, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлери, "Мүриўбет" интернат үйлери, "Меҳрибанлық" ҳәм Балалар үйлери, балалар санаторияларында ислейтуғын педагог хызметкерлерди

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 10:52


🤩 Сизиң денсаўлығыңыз биз ушын қәдирли

💸 Жумыс
Уақыт жоқлығы
🪫 Күнделикли тәшўишлер саламатлығыңызға кери тәсир етип атыр ма ?

🩺 Сизде профессионал шыпакерлеримизден ем алыў мүмкиншилиги бар

Биз сизге сапалы медициналық хызмет, қолайлы шәраятларды усынамыз !

🤗 Биз сизди клиникамызда күтип қаламыз !

☎️ Толық мағлыўмат алыў ушын төмендеги номерге байланысың:
+998995030303

📍Мәнзил: А.Досназаров көшеси 8 а жай
📍Бағдар: Ески Әмиўдәрья бассейни


🕊Telegram | 📹YouTube | 📱Facebook | 📱Instagram

Реклама

Каракалпак 24

04 Jan, 10:44


Ана тили ҳәм тарийх пәни муғәллимлерине миллий сертификат ушын 50% үстеме бериледи

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги 2025-жыл 1-январдан баслап Ана тили ҳәм тарийх пәни муғәллимлерине миллий сертификат ушын 50 процент үстеме төлеў ҳаққында 2024-жыл 19-декабрь күни аймақлық БМШларға жоқарыдағы фотосүўреттеги көрсетпе хатын жиберген.

❗️Еслетип өтемиз: үстеме Б+, А ҳәм А+ ҳәм ески баҳалаў тийкарында 80 ҳәм оннан жоқары баллға ийе сертификатлар ушын қолланылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 06:09


2025-жылда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында енгизилетуғын әҳмийетли өзгерислер ҳәм тәртиплер менен танысың

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли Пәрманына тийкарланып:

2025-жыл 1-январьдан — мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорының орынбасары лаўазымы енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан — район (қала)ларда кеминде биреўден таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумысы жолға қойылады;

2025-жыл 1-январьдан баслап — мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде "Методикалық шеберлик сааты", таяныш мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде "Методикалық шеберлик күни" басқышпа-басқыш енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан баслап — тренер сыпатында жумыс алып барып атырған директор орынбасарларына лаўазымлық мийнет ис ҳақысының 20 проценти муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме ҳақы төленеди;

2025-жыл 1-январьдан — қамтып алыў дәрежеси төмен болған мектеплер бос турған жер участкаларында мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыўға рухсат етиледи;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарларына тийкарланып:

2025-жыл 1-январьдан — кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллетилген тийкарда қабыл етиледи;

2025-жыл 1-январьдан — мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын белгиленген тәртипте компенсация бериў тәртиби енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан баслап — мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў шөлкемлериниң хызметкерлери ушын бес жылда бир мәрте жумыстан айрылған ҳалда маманлық арттырыў курслары енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан — улыўма орта билим бериў мәкемелеринде "Кәсиплик раўажланыў сааты", таяныш улыўма орта билим бериў мәкемелеринде "Кәсиплик раўажланыў күни" басқышпа-басқыш енгизиледи;

2025-жыл 1-январьдан — атақлы халықаралық олимпиадаларда қатнасатуғын сайланды командалардың басшысын хошаметлеў тәртиби енгизиледи ҳәм дәрамат салығынан азат етиледи;

2025-жылдан — 5-8-класс оқыўшылары арасында өткерилетуғын олимпиадаларда жоқары нәтийжелерди көрсеткен қәбилетли оқыўшылардың базасы қәлиплестириледи ҳәм оларды халықаралық олимпиадаларға мақсетли таярлаў жолға қойылады;

2025-жылдан — тийкарғы пән олимпиадаларының аймақлық басқышында табыслы қатнасқан қәбилетли жаслар ушын "Интеллектуаллық дем алыў орынлары" шөлкемлестириледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 05:02


1-февральға шекем районлық банклер филиалларында мәҳәлле кесиминде ислесиў бөлимлери шөлкемлестириледи

2025-жыл 1-февральға шекем районлық банклер филиалларында мәҳәлле кесиминде ислесиў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға "мәҳәлле банкирлери" тайынланады. Сондай-ақ, ҳәр бир мәҳәлледе олар менен бирге ислейтуғын "жәрдемши-агентлер" таңлап алынады.

Аймақлық банклер ҳәм район ҳәкимлери халықты таяр бизнес жойбарлары менен таныстырып барады, оларға әмелге асырыў тәжирийбелери үйретиледи.

«online-mahalla.uz», «bank-kredit.uz» ҳәм «soliq.uz» мәлимлеме системалары интеграцияланып, жуўапкерлерге жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы күнделикли анализленип барылады. Жумысы қанаатландырарсыз болған басшыларға шара көриледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 04:43


❗️Ҳүрметли пуқаралар!

Қазанханаларды қосыўдан алдын морыларыңызды тазалатың! Морылардың тығылып қалыўы зəҳəрли газден зыянланыўға себеп болады.

Зəҳəрли газ инсанды набыт қылады. Өзиңизди ҳəм шаңарақ ағзаларыңызды қəўипке қоймаң. Қəўипсизлик қағыйдаларына əмел етиң!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Jan, 01:05


Жыл атамаларын билесиз бе?

1991-жыл — "Алишер Наўайы" жылы;
1992-жыл — "Шыпакерлер" жылы;
1993-жыл — "Ахмед Яссавий" жылы;
1994-жыл — "Мырза Улуғбек" жылы;
1995-жыл — "Ибн Сино" жылы;
1996-жыл — "Амир Темур" жылы;
1997-жыл — "Инсан мәплери" жылы;
1998-жыл — "Шаңарақ"жылы;
1999-жыл — "Ҳаял -қызлар" жылы;
2000-жыл — "Саламат әўлад" жылы;
2001-жыл — "Аналар ҳам балалар" жылы;
2002-жыл — "Кекселер қәдирлеў" жылы;
2003-жыл — "Абат мәҳалле" жылы;
2004-жыл — "Мийрим-шәпәәт" жылы;
2005-жыл — "Саламатлық" жылы;
2006-жыл — "Қәўендерлик ҳәм шыпакерлик" жылы;
2007-жыл — "Социаллық қорғаў" жылы;
2008-жыл — "Жаслар" жылы;
2009-жыл — "Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў" жылы;
2010-жыл — "Баркамал әўлад" жылы;
2011-жыл — "Киши бизнес ҳәм исбилерменлик "жылы;
2012-жыл — "Беккем шаңарақ" жылы;
2013-жыл — "Абат турмыс" жылы;
2014-жыл — "Cаламат бала" жылы;
2015-жыл — "Кекселерди қәдирлеў" жылы;
2016-жыл — "Саламат ана ҳәм бала" жылы;
2017-жыл — "Халық пенен сәўбет ҳәм инсан мәплери" жылы;
2018-жыл — "Жедел исбилерменлик, инновацион идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў" жылы;
2019-жыл — "Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажландырыў" жылы;
2020-жыл — “Илим-мәнаўият ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў" жылы;
2021-жыл — "Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў"жылы;
2022-жыл — "Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле" жылы.
2023-жыл — "Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў" жылы.
2024-жыл — "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў" жылы.

2025-жыл — "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика" жылы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Jan, 18:27


Ҳәзир аспанда сийрек ушырасатуғын ҳәм қызықлы ўақыя жүз бермекте

Жас Ай ҳәм Венера планетасы аспаннан Жерге жүдә жақын көринбекте! Бул сийрек ушырасатуғын ҳәдийсе бир неше саат даўам етеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Jan, 15:46


❗️Алдаўшылар жаңа усылға өтти!

Телеграм пайдаланыўшыларына "Пайдаланыўшы сизге жаңа жыл саўғасы жиберди! 1 жыл мүддетке Telegram Premium" көринисиндеги хабарлар келмекте.

Көпшилик усындай хабарларға исенип, өз телефонына хабар арқалы келген қосымшаны орнатқанынан соң, банк картасындағы пуллары алдаўшылар тәрепинен шешип алынған.

Ҳеш қашан телеграм арқалы жиберилетуғын бундай көринистеги хабарларды ашып көрмең.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Jan, 15:43


Ана тили ҳәм тарийх пәни муғәллимлерине миллий сертификат ушын 50% үстеме бериледи

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги 2025-жыл 1-январдан баслап Ана тили ҳәм тарийх пәни муғәллимлерине миллий сертификат ушын 50 процент үстеме төлеў ҳаққында 2024-жыл 19-декабрь күни аймақлық БМШларға жоқарыдағы фотосүўреттеги көрсетпе хатын жиберген.

❗️Еслетип өтемиз: үстеме Б+, А ҳәм А+ ҳәм ески баҳалаў тийкарында 80 ҳәм оннан жоқары баллға ийе сертификатлар ушын қолланылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Jan, 15:24


❗️Ғайрат Дўстов суд залынан азат етилди

Апелляция суды дәслепки инстанция қарарын бийкар етти.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Jan, 14:10


Наўайыда "арзашы" Бас прокуратура департаментиниң хызметкерлерин алдап, оператив илаждан пулды алып қашты

Жәбирлениўши рөлин атқарған жигит департаменттиң Наўайы ўәлаяты басқармасына арза менен мүрәжат етип, "алдаўшы" оннан айдаўшылық гүўалығын алып бериў ушын 700 доллар талап етип атырғанын айтқан. Өткерилип атырған оператив илажда жигит оған берилген 700 доллар пул ҳәм даўыс жазыў қуралын алып, ўақыя орнынан жасырынған.

Кейин ала қолға түскен жигитке суд тәрепинен 4 жыл 1 ай қамақ жазасы тайынланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Jan, 11:44


Қазақстанда қолайсыз ҳаўа райы себепли 40 тан аслам машина бир-бири менен соқлығысқан

Жолдың музлаўы ҳәм күшли боран айдаўшылар ушын қолайсызлықлар туўдырған. Нәтийжеде, ири ЖТҲ жүз берип, трассада бир тәреплеме ҳәрекет толық тоқтап қалған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

02 Jan, 13:14


❗️Бәнтлик министрлиги 2025-жылда жумыс исленбейтуғын байрам күнлерин жәрияланды

1-январь ─ Жаңа жыл;
8-март ─ Ҳаял-қызлар күни;
21-март ─ Наўрыз байрамы;
31-март ─ Ораза ҳайыты (Ийд ал-Фитр);
9-май ─ Еслеў ҳәм қәдирлеў күни;
7-июнь ─ Қурбан ҳайыты (Ийд ал-Адҳа);
1-сентябрь ─ Ғәрезсизлик күни;
1-октябрь ─ Муғаллимлер ҳәм устазлар күни;
8-декабрь ─ Конституция күни.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

02 Jan, 12:43


Оливье салатының тарийхы туўралы билесиз бе?

Жаңа жыл дастурханын оливье салатысыз көз алдымызға келтириў қыйын. Өзи бул салат ең биринши ким тәрепинен таярланған?

Оливье салаты 1860-жылларда Москваның «Ермитаз» ресторанында француз аспазы Люсйен Оливйе тәрепинен жаратылған. Оның қурамында үйрек гөши, қысқышбақалар, майонез, картошка ҳәм түрли палыз өнимлери болған.

Кейин ала салат қурамы әпиўайыластырылып, ески Аўқам дәўиринде таўық гөши, мәйек ҳәм ноқат пенен таярланған. Бүгинги күнде оливье Жаңа жыл дастурханының белигисине айланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

02 Jan, 12:28


Цирк тамашаларында жабайы ҳайўанлардан пайдаланыўға руқсат етилмейди

Министрлер Кеңесиниң «Жабайы ҳайўанларды сақлаў тәртибин жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары менен физикалық шахслар тәрепинен ярым еркин шәраятларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында яки тутқынлықта сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанлардың дизими де тастыйықланған.

Дизимге жолбарыс, арыслан, гепард, ягуар ҳәм олардың барлық генже түрлери, горилла, шимпанзе, ири буўма жыланлар топарына киретуғын барлық түрлер, атлардың барлық түрлери (қолға үйретилгенлеринен басқа) киргизилди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

02 Jan, 12:15


⚡️BBM NUKUS BIOLOGIYA da qabillaw!!!

8-9-10-klaslar ushin 2025-jil 5-yanvar kûni saat 14:00 den baslap taza gruppalar ushin qabillaw boladi.

Biologiya hâm ximiyani nolden baslap jaqsilap maydalap ûyretemiz.

Orinlar sani sheklengen, ûlgerip qaliň!

Mânzil: QMU akademiyaliq litseyi, 3-qabat.
Waqti:5-yanvar, saat 14:00 de

Nâtiyjelerdi köriw ushin: Basiň

Toliq mağliwmat: 975000655

@nukus_biologiya

Реклама

Каракалпак 24

02 Jan, 11:57


Январьдан нызамшылықта нелер өзгермекте?

Айырым билимлендириў шөлкемлери коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи;

Букмекерлик хызметин әмелге асырыўға руқсат етиледи;

Басым ҳәм зорлықты әмелге асырыўға бейим болған шахслардың реестри жүргизиледи;

Халықтың жалғыз электрон реестри енгизиледи;

subsidiya.mf.uz платформасында исбилерменлерге берилетуғын қоллап-қуўатлаўлардың реестри жүргизиледи;

Жынаят ислери бойынша район, қала судларында тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи;

Халық ҳәм мәмлекет хызметкерлериниң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлери арттырылады;

Майыплығы болған шахсларға қолайлы ҳәм тосықларсыз орталық жаратылады;

Пуқаралар қабыллаўы ҳәм қабыллаўларды өткериўде мәжбүрий түрде сурдо аўдармашының қатнасыўы тәмийинленеди;

Ғалабалық аўқатланыў кәрханаларына пайда салығының ставкасы 50%ке кемейтиледи;

Айырым жер участкалары бойынша салық ставкасы 50%ке кемейтиледи;

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң фонды есабынан бақшалардың басшы ҳәм педагоглары хошаметленеди;

Бақшаларда инклюзив билимлендириў топарлары ашылады;

«Ишга марҳамат» моноорайларында жумыс бериўшилердиң талабына тийкарланып курслар шөлкемлестириледи;

Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларға үй-жай шәраятларын жақсылаў ушын социаллық жәрдем көрсетиледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

02 Jan, 11:29


🏥GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы балалардың қысқы шереклик дем алыс күнлери 3-13 январь аралығында организмди қуртлардан тазалаў бойынша медициналық хызметлерине 10% шегирме жариялайды.

📄Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
✔️Теридеги ақ дағлар; ✔️Колит ҳәм диярея; ✔️Аллергиялық кеселликлер; ✔️Киндик әтирапы аўырыўы; ✔️Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; ✔️Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; ✔️Түнде тисин ғышырлатыў; ✔️Көзлерди пирпиретиў;✔️Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б.

Шегирме баҳасы 3 кунге: 7-жасға шекем- 255 000сўм. 7-жастан үлкенлерге -295 000 сўм.

Жумыс ўақты: 09:00-12;00, 16:00-18:00

🌍Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефон: +998973543377 яки +998956013377

Телеграм Инстаграм

Реклама

Каракалпак 24

02 Jan, 09:25


Исбилерменлерге электр лимит бойынша жеңиллик берилди

Ендигиден былай исбилерменлер электр энергиясы лимитин 20% ке асырса да, қосымша үлкен қәрежет жумсамайды.

Мысалы, егер бир айда 100 мың кВт/саат электр лимити белгиленген болса, 120 мың кВт/саатқа шекем төлем ҳеш қандай асырылмайды.

Бирақ 120 мыңнан аслам сарпланса, қосымша бөлим ушын 20% жоқары баҳа төленеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

02 Jan, 09:06


️2025-жылдан педагоглар ушын тәжирийбе арттырыў системасы енгизиледи

Мәмлекетимиз басшысына мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында 2025-жылы әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар бойынша мағлыўмат берилди.

Оған бола, кейинги жылдан аймақлардағы қәнигелигин арттырыў орайларында оқыў процесслери өзгертиледи. Онда ҳәр бир муғаллимниң мүтәжлигинен келип шығып, еселенген тәжирийбе арттырыў системасы енгизиледи.

Маманлық сынағынан өтпегенлер айрықша бағдарлама тийкарында қосымша оқытылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

02 Jan, 08:40


❗️2025-жыл 1-январдан баслап Мәденият мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ис ҳақысы 20 процентке асырылады

"Мәденият ҳәм көркем өнер, мәлимлеме-китапхана ҳәм музейлер тараўында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң мийнет ис ҳақы муғдарларын арттырыў ҳаққында"ғы Президент қарарына бола, мәмлекетлик мәденият мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ис ҳақысы 20 процентке арттырылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

02 Jan, 08:33


⚡️Стеклопластик заводынын Каракалпакстандагы расмий диллери, ол жерде сиз:

🏋️‍♀️ Спорт буйымлары
🏥 Медицина буйымлары
🧗 Воркаут
🎡 Бала бакшаларга ойын майданшасы (качеля, горка х.т.б.)
🪑  Офис, окыу орай хам бала бакшалар ушун мебеллер
🛏  Лаборатория ушун мебеллер
⚙️  Темирден жасалган буйымлар

хам оданда баска коплеген буйымларды таба аласыз!!!

📌Мәнзил: Нукус каласы Торткул гузары 36
Багдар - Нукус Эко Базар карама карсысында

🔈Телефонлар - 91 371-17-77,
90 574-44-04

Реклама

Каракалпак 24

02 Jan, 06:02


❗️Ертеңнен, яғный 2025-жыл 3-январдан ҳәмме ушын жүмыс

"Жаңа жыл байрамын белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнди белгилеў ҳәм дем алыс күнин көшириў ҳаққында"ғы Президент қарары (452-санлы, 24.12.2024-ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, 2025-жылда 5 күнлик жумыс ҳәптелигинде жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күни 4-январь – (шемби) күнинен 2-январь – (пийшемби) күнине көширилди ҳәм 6 күнлик жумыс ҳәптелигинде ислейтуғын хызметкерлер ушын 2-январь – (пийшемби) қосымша дем алыс күни етип белгиленди.

Соған муўапық, 2025-жыл 3-январь (жүма) күнинен жумыс ҳәптелигиниң түрине қарамастан барлық хизметкерлер ушин жумыс күни есапланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

01 Jan, 18:04


Айырым оқытыўшыларға 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде ана тили ҳәм әдебият және тарийх пәнлери бойынша Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған ҳәм усы пәнлерден сабақ беретуғын педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50% муғдарында ҳәп айлық қосымша үстеме төленеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

01 Jan, 12:14


❗️Өзбекстанда 1-январдан күшке кирген айырым өзгерислер:

Ташкентте автобус ҳәм метрода нақ пул түриндеги жолланба баҳасы артты;

мәмлекетлик мәденият мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы 20 процентке
арттырылады;

Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик бақшаларға жеңиллетилген тийкарда қабыл етиледи

цирк тамашаларында жабайы ҳайўанлардан пайдаланыў қадаған етилди;

Исбилерменлер ушын айырым ҳәкимшилик жуўапкершиликлер бийкар етилди;

улыўма аўқатланыў кәрханаларына пайда салығы ставкасы 50 процентке азайтылды;

район (қала) лардың ҳәкимликлерине жана ўәкилликлер берилди;

букмекерлик жумысын әмелге асырыўға руқсат етилди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

01 Jan, 11:45


2025-жылы айлықлары 35% ке көтерилетуғын мәденият тараўы мәкемелери дизими тастыйықланған

Жоқарыдағы дизимде көрсетилген мәкемелерде ислеўши хызметкерлердиң айлықлары:

2025-жыл 1-январдан баслап — 20% ке;

2025-жыл 1-июлдан баслап — және 15%ке көтериледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

31 Dec, 13:45


Ассалаўма әлейкум, ҳүрмети бәлент @Karakalpak24 каналының оқыўшылары!

Сизлерди кирип киятырған Жаңа жыл менен қызғын қутлықлаймыз! Шаңарағыңызға аманлық, есенлик, бахыт, әўмет, дәўлет, мол ырысқы-несийбе тилеймиз!

Келеси 2025-жыл ҳәммемиз ушын әўметли келип, аспанымыз ашық, елимиз тыныш, дәрьямызда суў мол болғай!

Биз бенен бирге екенлигиңиз ушын көп-көп рахмет!

Ҳүрмет пенен, канал админстрациясы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

31 Dec, 08:12


Енди Россияда ислейтуғынлар ушын ҳүжжет қатаң талап етиледи

Россия президентиниң қол қойған Пәрманына бола, Россияда нызамсыз болып турған сырт ел пуқаралары 2025-жыл 30-апрелге шекем мәмлекеттен шығыўы ямаса ҳүжжетлерин рәсмийлестириўи керек болады.

Бул талап Россияда нызамлы түрде қалыўды қәлеген сырт еллилерге қолланылмайды.

Өзбекстан Миграция агентлиги январьдан баслап, Россияда жумыс ислеп атырған, бирақ ҳүжжетлери менен байланыслы машқалалары болған ўатанласларымызға ҳуқықый ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўге таяр екенин мәлим етти.

"Ҳүжжетлерди рәсмийлестириў процеси ҳәм зәрүр мағлыўматлар ҳаққында қосымша хабар бериледи," - делинеди Өзбекстан Миграция агентлиги хабарында.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

30 Dec, 17:20


❗️Аяқларды барқулла ыссы сақлаң

Егер аяқ музласа:
Ишеклер ҳәм сидик жоллары аязлайды;
Бүйрек истен шығады;
Баўырға күш келеди;
Ревматизм жүзеге келеди.

Бас жуўып, көшеге шықпаң ҳәм шашты кептирместен уйқыламаң

Болмаса:
Минингит, гайморит;
Синусит, мый аймағында исиниў ҳәм аўырыў;
Мурын ағыўы ҳәм қулақ инфекциялары сизди таслап кетпейди

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

30 Dec, 17:02


❗️Хызметти жасырын түрде алып барыў қадаған етиледи

ӨзР Министрлер Кабинетиниң 975-сенлы қарары 32-бәнтинде ЖПХ хызметкерлери мобил комплексте тек қана патруль автомобиллеринде пайдаланыўлары кереклиги қатаң белгилеп қойылған.

Бул талапқа әмел етпеген ҳалда рәсмийлестирилген ҳәр қандай ҳүжжет юридик күшке ийе болмайды ҳәм ҳуқықый ақибетлер келтирип шығармайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

30 Dec, 16:47


🚗 Gentra 3-pozitsiya (L-stayle AT)
📅 Jili: Mator 2022 kuzov 2023 (dekabr)
🎨 Reni: Qara (Black Met.Kettyl metallic.)(GBO)
Benzinde (gazge maslasqan)
🏃 Jurgeni: 28.000
💰 Bahasi: 200 mln swm (kelisim bar)
☎️ Tel:
+998915979700


Qosimsha: (Abs, Luk, Diska)
1. Tablo podsvetka + salon (led lampa)
2. Obshibka podsvetka
3. Cardinar chexol (original)
4. Polik (2-3 turi bar)
5. Polniy shumka (qilinganina 3 ay boldi)
б. Amerikanka + Optra (original, black piano qilingan)
7. Videoregistrator (Mrs wifi arqali isleydi)
8. Pioner 725 mafon (original)
9. Sambufer + 4 esik kalonka ozgertilgen.
10. 907 Megicar
11. Malibu bar + Malibu rul (originali)
12. Tonirovka + Lob sonsa zashita
13. Minerva taza balon (+radnoy balonlarida bar)
14. Sirena (1 karnayli)

Реклама

Каракалпак 24

30 Dec, 16:32


🐍 Киятырған 2025-жыл — Жылан мүшели жылы

1941, 1953, 1965, 1977, 1989, 2001, 2013-жылда туўылған инсанлардың жылы кирип келмекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

30 Dec, 16:00


Нызамшылыққа байланыслы жаңалықларды @nizamshiliq каналынан табасыз!

👉 https://t.me/+XQUu6qhZeEJlNGIy

Каракалпак 24

30 Dec, 15:59


Дәри-дәрмақ ҳәм медициналық хызметлер сезилерли дәреже қымбатлайды

2025-жыл 1-апрелден баслап Өзбекстанда фармацевтика өнимлери саўдасы менен шуғылланыўшы яки медициналық хызмет көрсетиўши юридик шахслар қосылған қун салығын (ҚҚС) төлей баслайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

30 Dec, 14:59


Қытай дүнядағы ең тезжүрер поездды иске қосты

Қытай пайтахты Пекинде биринши мәрте СR450 тезжүрер поездының прототипин көрсетти.

Экспериментал сынаў ўақтында поездтың тезлиги саатына 450 км/саатқа жетти.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

30 Dec, 11:56


My.gov.uz​ порталы арқалы мәмлекетлик хизметлерден онлайн пайдаланың!

💻 my.gov.uz/oz/service/308 — Такси айдаў ушын лицензия алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/913 — Туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/853 — Автотранспортты онлайн қамсызландырыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/412 — Өзбекстан Республикасынан шығыўға ўақтыншалық шеклеў қойылғанлығы жағдайын анықлаў;

💻 my.gov.uz/uz/service/491 — Өз-өзин бәнт еткен шахсларды дизимнен өткериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/263 — Есапланған ис ҳақы сўммалары ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/486 — Напақа тайынлаў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/378 — Паспортты ID картаға алмастырыў ушын арза жибериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/498 — UzAuto Motors AJ арқалы автомобил сатып алыў ушын нәўбетти тексериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/418 — Сырт елге шығыў паспортын рәсмийлестириўге арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/745 — "Ҳаяллар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/748 — "Жаслар дәптерин"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/743 — "Темир дәптер"де пуқараның барлығы ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/587 — “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри”не кириў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/654 — Aвтотранспорт қуралларының тыйымды тексериў;

💻 my.gov.uz/oz/service/938 — Кредит тарийхы үйренилгенлиги бойынша ескертиўши «СМС-хабарнама» алыў.

💻 Oilakredit.uz — шаңарақлық исбилерменлик бойынша кредит алыў ушын арза бериў;

💻 online-mahalla.uz — бул дизимде көрсетилген жөнелислер ушын субсидия алыў мүмкин;

💻 ipoteka-bozori.uz — жаңа тәртиптеги ипотека кредитлери;

💻 Subsidiya.mf.uz — субсидия рәсмийлестириў бойынша;

💻 smart-market.uz — ири ислеп шығарыўшы, көтере саўда, жеткерип бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлер ушын өз өним ҳәм хызметлерин еркин сатыў және кредит алыўшылар ушын өним жеткерип бериўши фирманы еркин таңлаў имканияты бар.



💻 talim-krediti.uz яки talim-krediti.mf.uz — тәлим кредитин алыў ушын;

💻 Infokredit.uz ёки my.gov.uz — кредит тарийхын билиў ушын;

💻 bank-kredit.uz  —"20 исбилермен - 500 мың маман қәнийге" дастүри шеңберинде кредитге арза бериў;

💻 portal.infokredit.uz — Юридик шахслар кредит тарийхы ҳаққындағы мағлыўматты алыў ушын.

📱my.gov.uz қосымшасын жүклеп алыў: Google Play яки App Store

Дерек: Нызамшылық

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

30 Dec, 11:31


2025-жылы медицина хызметкерлериниң айлықлары көбейеди

Шаңарақлық шыпакерлердиң мийнет нәтийжелилиги тийкарында үстеме төлеў тәртиби енгизиледи. 

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Самарқанд, Бухара, Хорезм, Қашқадәря ўәлаятларында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў әмелиятлары енгизиледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

30 Dec, 11:20


Дем алыста оқыўшының ҳәр қандай ҳәрекети ушын ата-ана жуўап береди!

Мектепке шекемги хәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 2023-жыл 27-июнь күнги 190-санлы буйрығына бола, билимлендириў мәкемесинен тыс жерде, сабақтан кейин ҳәм дем алыс ўақтында оқыўшылардың ҳәр қандай ҳәрекети ушын ата-аналар жуўап береди.

Оқыўшының класс басшысы болса, жуўапкершиликке тартылмайды. Солай екен, бундай жағдайларда директор орынбасарларына да интизамый жаза шаралары қолланылмайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

30 Dec, 11:10


Biznesni Rivojlantirish Banki mijozlariga Yangi yilga ajoyib tuhfa!

Endi siz pullaringizni BRB bankomatlarida atigi 0,5% komissiya bilan yechib olishingiz mumkin!

0,5% komissiya faqat BRB Humo va Uzcard kartalari uchun amal qiladi.

Pul mablag‘laringizni ushbu aksiya doirasida oson, qulay va manfaatli yechib oling!

Biz ijtimoiy tarmoqlarda👇
🌐 Sayt | 📱 Telegram | 📱 Instagram | 📱 Youtube

Реклама

Каракалпак 24

30 Dec, 06:04


⚡️Бүгин 30-декабрь күни Нөкис қаласы орайындағы Жаңа жыл шыршасы жанында ҳар қашанғыдан да өзгеше "Жаңа жыл" концерт бағдарламасы болып өтеди

Концерт бағдарламасы 19:00 ден басланады.

Онда Мақсет Өтемуратов, Алишер Алламбергенов, Жаноб Расул, Ҳамдам Собиров, Байрам Пердебаев, Гүлнара Мүнтеева, Сарбиназ Аннақулова, Гүлназ Утепова, Бахадыр Разымбетов, Саламат Қәллибеков, Арысланбек Асқаров, Қуўат Аметов, Алишер Байныязов, Илхам Жолдасбаев, Раджиб Атажанов сыяқлы елимиз сүйген қосықшылар ҳәм жас талант ийелери хызметиңизде болады.

Жаңа жыл байрамы тамашаларына мирәт етемиз!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Dec, 20:04


Өзбекстаннан Москваға ушып баратырған самолёт айрықша жағдай себепли артқа қайтты

Ферғана-Москва жөнелисинде ушып атырған "Аэрофлот"тың SU-1971-рейи бағытын өзгертирип, Ташкентке айрықша жағдайда қоныўға мәжбүр болды.

Оған экипаж ағзаларының биреўиниң денсаўлығы кескин жаманласыўы себеп болғаны айтылмақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Dec, 19:59


Украинадағы урыс ертең тамамланады

Украиналы журналист Дмитрий Гордонның мәлим етиўинше, ертең урысты жуўмақлаў мүмкин болған тарийхый ушырасыў болады.

"Мағлыўматым 90-95 процент анық," деп жазған журналист.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Dec, 15:45


❗️2028-жылға шекем ҚҚС ҳәм пайда салығы ставкалары асырылмайды

"Исбилерменлер ушын тең шараятлар ҳәм әдалатлы бәсеки орталығын тәмийинлеў бойынша гезектеги иләжлар ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПФ-229-санлы, 27.12.2024-ж.) қабыл етилди.

Пәрманға бола, қосымша қун салығы ҳәм пайда салығы ставкалары 2028-жыл 1-январға шекем арттырылмайтуғыны белгиленди.

2025-жыл 1-январдан 2028-жыл 1-январға шекем тигиў-трикотаж, аяқ кийим ҳәм кожа-атторлық санааты бағдарларында өндирис жумысын алып барып атырған ҳәм белгиленген шәртлерге жуўап беретуғын исбилерменлер ушын пайда салығы ҳәм өз хызметкерлери ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының ставкалары 1 процент етип белгиленди.

2025-жыл 1-апрелден дәраматына қарамастан, фармацевтика өнимлерин сатыў менен шуғылланыўшы ямаса медициналық хызмет көрсетиўши юридикалық шахслар ҚҚС төлеўшилер деп тән алынады.

Исбилерменлерге сыртқы қаржы базарларына шығыўға жәрдемлесиў орайы шөлкемлестириледи.

Орайлық исбилерменлерге халықаралық қаржы институтлары, сырт ел қаржы шөлкемлери ҳәм басқа да кредит шөлкемлеринен мәмлекет кепиллигисиз қаржыларды тартыў бойынша коньсалтинг хызметлерин көрсетеди.

2025-жыл 1-январдан баслап:

‌бажыхана шегарасынан алып шығылып атырған ҳәр бир килограмм пахта ийирилген жип ушын жыйым оның експорт баҳасынан 2 процент муғдарында, бирақ 0,05 АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда орнатылады;

бажыхана шегарасынан алып шығылатуғын ҳәрбир килограмм трикотаж гезлеме ушын жыйым оның экспорт баҳасынан 1 процент муғдарында орнатылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Dec, 06:02


❗️Бәнтлик министрлиги 2025-жыла жумыс исленбейтуғын байрам күнлерин жәрияланды

1-январь ─ Жаңа жыл;
8-март ─ Ҳаял-қызлар күни;
21-март ─ Наўрыз байрамы;
31-март ─ Ораза ҳайыты (Ийд ал-Фитр);
9-май ─ Еслеў ҳәм қәдирлеў күни;
7-июнь ─ Қурбан ҳайыты (Ийд ал-Адҳа);
1-сентябрь ─ Ғәрезсизлик күни;
1-октябрь ─ Муғаллимлер ҳәм устазлар күни;
8-декабрь ─ Конституция күни.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Dec, 17:57


❗️Автотранспорт қуралын қайта үскенелеген айдаўшыға шара көрилди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Dec, 14:45


❗️Ҳеш қашан сизге бул номерден (78 888 82 86) қоңыраў келсе жуўап бермең!

Олар өзлерин БАНК хызметкери деп таныстырып, сизге кредит алмақшымыз деп айтпақта. Яқ десеңиз сизге код келеди, айтып жибериң деп, ПЛАСТИК картасыңызға жалғанып алмақшы.

БАНК хызметкерлери ҳеш қашан адамларға қоңыраў етип кредит аласызба ямаса кредит алмақшымыз деп айтпайды. Бул гәплерди тек қана алдаўшылар (мошенниклер) айтады.

Досларға ҳәм топарларға жиберип қойың ҳәм бул ҳаққында ҳәммени ескертиң.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Dec, 14:22


❗️ЕСЛЕТПЕ!

Қазанхана (котёл) газ қыздырғышларын (горелка) ҳәдден тыс қатты жақпаң

Қазанхана сыртына шығып жанып турған жалын бөлме ишине кирип, зәҳәрли газден зыянланыўға себеп болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 16:18


Ишки ислер хызметкери сизиң жеке телефоныңызды тексериўи мүмкин бе?

Конституцияның 31-статьясы 2-бөлиминде "Ҳәр ким хабар жазысбалары, телефон арқалы сөйлесиўлери, почта, электрон ҳәм басқа да хабарлары сыр сақлаў ҳуқықына ийе. Бул ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың қарарына тийкарланып жол қойылады" делинген.

Тексериў өткериўге рухсатты тек ғана суд береди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 14:22


❗️Бәнтлик министрлиги 2025-жылда жумыс исленбейтуғын байрам күнлерин жәрияланды

1-январь ─ Жаңа жыл;
8-март ─ Ҳаял-қызлар күни;
21-март ─ Наўрыз байрамы;
31-март ─ Ораза ҳайыты (Ийд ал-Фитр);
9-май ─ Еслеў ҳәм қәдирлеў күни;
7-июнь ─ Қурбан ҳайыты (Ийд ал-Адҳа);
1-сентябрь ─ Ғәрезсизлик күни;
1-октябрь ─ Муғаллимлер ҳәм устазлар күни;
8-декабрь ─ Конституция күни.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 13:45


2025-жылда Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ушын мәмлекет бюджеттен 60 трлн сўм қаржы ажырататуғын болды

Бул пуллар нелерге сарыпланыўы кестеде көрсетилген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 13:40


❗️️️Метан заправкалар ашылып баслады

Бүгин күн даўамында Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында декабрь айының басынан усы күнге шекем жабық болған метан заправкалары ашыла баслаған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 13:35


🤩 Сизиң денсаўлығыңыз биз ушын қәдирли

💸 Жумыс
Уақыт жоқлығы
🪫 Күнделикли тәшўишлер саламатлығыңызға кери тәсир етип атыр ма ?

🩺 Сизде профессионал шыпакерлеримизден ем алыў мүмкиншилиги бар

Биз сизге сапалы медициналық хызмет, қолайлы шәраятларды усынамыз !

🤗 Биз сизди клиникамызда күтип қаламыз !

☎️ Толық мағлыўмат алыў ушын төмендеги номерге байланысың:
+998995030303

📍Мәнзил: А.Досназаров көшеси 8 а жай
📍Бағдар: Ески Әмиўдәрья бассейни


🕊Telegram | 📹YouTube | 📱Facebook | 📱Instagram

Реклама

Каракалпак 24

26 Dec, 12:55


️2025-жылдан педагоглар ушын тәжирийбе арттырыў системасы енгизиледи

Мәмлекетимиз басшысына мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында 2025-жылы әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар бойынша мағлыўмат берилди.

Оған бола, кейинги жылдан аймақлардағы қәнигелигин арттырыў орайларында оқыў процесслери өзгертиледи. Онда ҳәр бир муғаллимниң мүтәжлигинен келип шығып, еселенген тәжирийбе арттырыў системасы енгизиледи.

Маманлық сынағынан өтпегенлер айрықша бағдарлама тийкарында қосымша оқытылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 12:43


❗️Тәбийғый газ, Электр энергиясы ушын төлемлер 2025-жыл 1-апрелден баслап және қымбатлайды

Толық мағлыўмат кестеде.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 11:22


"Калмар ойыны" сериалының екинши мәўсими Нетфликске жүкленди

Серияның барлық 7 бөлими Нетфликс платформасына жүкленди.

Рус сайтларында әллеқашан русша варианты да шыға баслады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 10:30


❄️ Быйылғы Жаңа жылда қар жаўмайды

Өзгидромет хабарына бола, 30-декабрь күни айырым аймақларда жаўын-шашын болыўы мүмкин.

Мәмлекеттиң үлкен бөлиминде 31-декабрь ҳәм 1-январда жаўын-шашын күтилмейди.

Ҳаўаның температурасы түнде 0...+5°, күндиз +5...+10°, айырым жерлерде +12° болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 10:20


🐍 Киятырған 2025-жыл — Жылан мүшели жылы

1941, 1953, 1965, 1977, 1989, 2001, 2013-жылда туўылған инсанлардың жылы кирип келмекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 10:10


Ғалабалық тәртипсизликте оқыўдан өткен шахс ықтыярлы түрде мүрәжат еткенинде жынайый жуўапкершиликтен азат етиледи

Нызам жойбары менен Жынаят кодексиниң 244-статьясы үшинши бөлим менен толықтырылып, онда ғалабалық тәртипсизликлерди ислеў мақсетинде оқыўдан өткенлик ушын айрықша жуўапкершилик иләжлары белгиленбекте.

Соның менен бирге, Жынаят кодексиниң 244-статьясының төртинши бөлиминде ғалабалық тәртипсизликлерди қаржыландырғанлық ушын тиккелей жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, бул статья жаңа бесинши бөлим менен толықтырылып, онда ғалабалық тәртипсизлик ушын арнаўлы оқыўдан өткен шахс өз қәлеўи менен оқыўдан өткенлиги ҳаққында ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат еткен жағдайда, жынайый жуўапкершиликтен азат етилетуғыны белгилеп қойылмақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 10:00


❗️Нөкис ўақыялары бойынша дүзилген комиссия мәлимлемеси Олий Мажлиске усынылды:

Жынаят иси шеңберинде судқа шекем қамаққа алынған жәми 168 адамнан 107 адам (2 ҳаял) Комиссия өтиниши бойынша шаңарағына қайтарылған.

Қарақалпақстанда жүз берген ўақыя қатнасыўшыларынан 943 адам ҳуқықбузарлықлар ислегенлиги ушын ескертилген, 6 135 адамға ҳәкимшилик жәрийма, 2 639 адамға ҳәкимшилик қамақ жазасы белгиленген, 61 адам жынаят ислегенлиги анықланған.

Тәртипсизликлер нәтийжесинде пуқаралар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң аўыр дене жарақатын алыўы ҳәм қайтыс болыўы, сондай-ақ, пуқаралар ҳәм мәмлекетлик уйымлардың мүлкине үлкен муғдарда - 6,8 млрд сум материаллық зыян жеткерилген.

Ғалабалық тәртипсизликлер даўамында 21 пуқара, соның ишинде, 2 ҳуқық қорғаў уйымының хызметкерлери қайтыс болған ҳәм 413 адам жарақатланған (соннан 183 ҳуқық қорғаў уйымының хызметкерлери).

Ғалабалық тәртипсизликлерди сапластырыў процесслеринде инсан ҳуқықлары ҳәм олардың нызамлы мәплерин бузыўға жол қойған 3 ишки ислер уйымлары хызметкерлери жынайый жуўапкершиликке тартылды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 09:50


Кегейлидеги “Жаңа Өзбекстан” массиви ушын суў тәмийнаты объекти қурылды

Президент пәрманы менен Кегейли районы “Ақтуба” МПЖ аймағында қурылған “Жаңа Өзбекстан” массивиниң ишимлик суў тармақлары ҳәм ақаба суў системасын қурыў белгиленген еди.

Буның ушын 17,6 млрд сом қаржы ажыратылды. Бүгинги күнде қурылыс-монтаж жумыслары жуўмақланып, объект пайдаланыўға тапсырылған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 09:35


❗️Нөкистиң "Арал"клубына трансфер шеклеўи қойылды

Өзбекстан футбол ассоциациясы нызам талапларына  қопал мунәсебетте болып кийатырғаны өз футболшылары хәм тренерлер алдында қарыздарлықты белгиленген мудетте узбегени соның менен  бир қатарда футбол клублары аймақлық футбол академиялары ортасында дузилген шериклик шәртнамаларында бар болған қәте кемшиликлерди орынламай келгени ушын.6-Футбол клубына трансфер шеклеўи қойылды олар арасында.

Нөкистиң "Арал" клубыда бар."Арал" клубы  жаңа футболшыларды лига дизиминен өткере алмайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 09:23


❄️ Qishki chegirmalar Elmakonda!

Endi maishiy texnika va smartfon xaridi yanada foydali!
💥 Eski narxlarga xayr, yangi chegirmali narxlar bilan tanishing!

📌 Sovutgichlar, televizor, smartfon va boshqa kerakli texnikalar juda qulay narxlarda!

Batafsil:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Bizning saytimiz | Do‘konlarimiz
_____

❄️ Зимние скидки в Elmakon!

Теперь бытовая техника  и смартфоны стали ещё доступнее!
💥 Прощайте старые цены, встречайте новые скидки!

📌 Холодильники, телевизоры, смартфоны и многое другое по невероятно выгодным ценам!

Подробно:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Instagram | Наш сайт| Адреса наших магазинов

Реклама

Каракалпак 24

26 Dec, 08:40


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары тайынланды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2-сессиясы болып өтти. Сессияда Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларын ҳәм Министрлер Кеңесиниң ағзаларын тайынлаў ҳаққындағы мәселе көтерилди ҳәм усыған муўапық:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри лаўазымына Нуруллан Ерлепесов;

Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, тосқынлықларсыз орталық жаратыў, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Шухрат Дәўлетияров;

Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары – Аўыл хожалығы министри лаўазымына Шуҳрат Тешаев;

Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри лаўазымына Владимир Жоллыбеков;

Министрлер Кеңеси Баслығының туризм, спорт, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалабалық коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Расул Зарикеев;

Министрлер Кеңеси Баслығының жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына Байрамбай Өтемуратов;

Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары лаўазымына Раджапбай Нуразизов;

Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы лаўазымына Марьям Ахмедова тайынланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 08:20


❗️Басшы хызметкерлердиң ис ҳақылары еки есе асырылыўы күтилмекте

Президентке мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасында 2025-жылда әмелге асырылатуғын алдағы ўазыйпалар бойынша мәлимлеме берилгени ҳаққында хабар берилген еди.

Онда билимлендириў мәкемелери баслық хызметкерлериниң айлық ис ҳақыларын асырыў бойынша да бир қанша усыныслар илгери сүрилди.

2025-2026-оқыў жылынан баслап мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери директорлары, мектеп директоры орынбасарларының ис ҳақысы муғдарлары асырылады.

Соның менен бирге, 2026-жылдан баслап мектеп директорлары ҳәм олардың орынбасарларына жумыс искерлиги нәтийжелерине көре қосымша үстемелер енгизилиўи режелестирилмекте.

Буннан тысқары, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў системасындағы басшы хызметкерлериниң лаўазым ис ҳақыларына узақ мүддет ислегенлиги ушын ҳәр айлық үстеме ҳәмде тағы басқа қосымша төлемлер төлениўи жолға қойылады.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң атап өтиўинше, мектеп директорларының айлық ис ҳақысы 20 процентке шекем асырылады. Егер олар «Директорлар мектебинен» өтсе, айлық ис ҳақылары тағы 50 процентке асырылыўы есабына олардың ис ҳақысын 2 есе асырыўға ерисиледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Dec, 08:06


❗️ӨЗБЕКСТАНДА "ӨРТКЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ" ДЕГЕН МИНИСТРЛИК ЖОҚ ҲӘМ ҲЕШ КИМНЕН БУЛ УШЫН ПУЛ ЖЫЙНАЛМАЙДЫ

️Ҳәзирги ўақытта мәҳәллелерде үйме-үй жүрип, "Өртке қарсы гүресиў" шөлкемине тийисли екенимизди айтып, 20 000 сумнан пул жыйнап жүрген жағдайлар және көбеймекте. Олар өзлериниң жеке меншик шөлкеми тәрепинен алынған гүўалықты көрсетип, өртке қарсы гүресиўден екенин айтпақта ҳәм техникалық тексериўлер ушын 1 жыллық төлемли шәртнама усыныс етпекте.

Өзбекстан Нызамшылығында ҳеш қандай өртке қарсы гүресиў ушын пул төлениўи нәзерде тутылмаған ҳәм бундай министрлик ямаса мәмлекетлик шөлкем улыўма жоқ. Мәжбүрий төлем де жоқ.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 17:30


❗️Рәсмий хабар

Қубла Кореяда болып турған Өзбекстан пуқаралары дыққатына! Ҳүрметли ўатанласлар!

Хабарыңыз бар, 3-декабрь күни Қубла Кореяда әскерий жағдай жәрияланды.
Бүгинги күнде мәмлекетте жүзеге келип атырған ишки сиясий жағдайдан келип шығып, бәршеңизден Қубла Кореяда ҳәр қыйлы митинг ҳәм демонстрацияларға қатнаспаўға, адамлар көп жыйналған орынларға бармаўға, өзиңиздиң жеке қәўипсизлигиниз ҳәм денсаўлығыңызды қәстерлеп қараўға шақырамыз.

Зәрүр болганда төмендеги телефон номериңизге мүрәжәәт етиўиңиз соралады:
+82 10 3213 4505
+82 10 2909 4334

Өзбекстан Республикасының
Корея Республикасындағы елшиханасы
.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 15:26


Пуқараның банк картасына қанша муғдардағы қаржы келип түссе, Прокуратура департаментине усынылады?

коммерциялық банктиң ишки қадағалаў системасы — жынайый искерликтен алынған дәраматларды легалластырыўға, терроризмди қаржыландырыўға ҳәм ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етиўге қаратылған шөлкемлестириўшилик структура.

гүманлы операция — таярлаў процесинде болған ямаса ислениў процесинде болған ямаса исленип болган, ишки қадағалаўды өткериў ўақтында коммерциялық банкте оның жынайый жумыстан алынған дәраматларды легалластырыў, терроризмди қаржыландырыў ҳәм (ямаса) ғалабалық қырғын қуралын тарқатыўды қаржыландырыў мақсетинде әмелге асырылғанына гүман пайда болған операция.

Ишки қадағалаў қағыйдаларына муўапық, Операцияларда төмендеги критерия ҳәм белгилердиң бири бар болганда гүманлы операция деп тән алынады:

қарыйдардың банк картасынан банк мобил қосымшасы арқалы бир ўақыттың өзинде ямаса көп мәрте 30 күннен аспаған мүддет даўамында базалық есаплаў муғдарының 500 есесине тең (187 500 000) ямаса оннан артатуғын улыўма суммадағы пул қаржыларын бир ямаса бир неше банк карталарына ямаса электрон қалтамаларға өткерилиўи;

қарыйдардың банк картасына бир ўақыттың өзинде ямаса көп мәрте 30 күннен аспаған мүддет даўамында базалық есаплаў муғдарының 500 есесине тең ямаса оннан артатуғын улыўма суммада бир ямаса бир неше банк карталарынан ямаса электрон қалтамалардан пул қаржыларының келип түсиўи;

5 ҳәм оннан артық банк картасынан (электрон қалтамнан) банк мобил қосымшасы арқалы бир ўақыттың өзинде ямаса көп мәрте 30 күннен аспаған мүддет даўамында 1 сырт ел электрон қалтасына пул қаржыларының өткерилиўи;

5 ҳәм оннан артық банк карталарына (электрон қалтамаларға) бир ўақыттың өзинде ямаса көп мәрте 30 күннен аспаған мүддет даўамында 1 сырт ел электрон қалтамасынан ақша қаржыларының келип түсиўи;

1 банк картасынан (электрон қалтамнан) банк мобил қосымшасы арқалы бир ўақыттың өзинде ямаса көп мәрте 30 күннен аспаған мүддет даўамында 5 ҳәм оннан артық сырт ел банк картасына ямаса сырт ел электрон қалтасына ақшалардың өткерилиўи;

1 банк картасына (электрон қалтасына) бир ўақыттың өзинде ямаса көп мәрте 30 күннен аспаған мүддет даўамында 5 ҳәм оннан артық сырт ел банк картасынан ямаса сырт ел электрон қалтасынан пул қаржыларының келип түсиўи.

❗️Қәўипли операция ҳаққындағы хабар Ишки қадағалаў хызмети тәрепинен Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 29-июньдеги 402-санлы қарары менен тастыйықланған реже талапларына муўапық, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине автоматластырылған программалық өним жәрдеминде усынылады.

☝️Бундай жагдайларда Банклер клиент карталарын автоматикалық блокламайды.

Бирақ, турақлы түрде гүманлы әмелиятлар орынлайтуғын клиентлер жоқары рискли деп баҳаланади. Бундай жағдайларда банк қаржылардың нызамлылығын тексереди. Егер клиент зәрүр мағлыўматларды көрсетпесе, банк шәртнаманы бир тәреплеме бийкарлаў ҳуқықына ийе.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 15:11


Нөкисте машинадан денесин шығарып ҳәрекетленгенлер қамалды

Социаллық тармақларда тойда қәўипли ҳәрекетлерди әмелге асырып, машина басқарғанлардың видеосы тарқалып, кең додалаўларға себеп болған еди.

Мәлим етилиўинше, бул жағдай Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы тойлардан биринде жүз берген.

Бул жағдай бойынша ҳәкимшилик ис Нөкис қалалық судында көрип шығылды.

Суд шешимине бола, 6 шахсқа 5 суткадан 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 15:01


📚Mschool оқыу орайында БАЛАЛАР ушын таярлық курслары:

• Уйге тапсырма таярлатыу
• Почемучка
• Инглис тили
• Рус тили

🏫Курслар мектепке шекемги хәм мектеп жасындағы балалар ушын

☎️Байланыс ушын:
(91)370-62-60
(95)988-01-17

📍Мәнзиллеримиз:
1. М. Жуманазаров 92/1. Бағдар: «Сладко» чайная (Меганың көшеси)

2. Гөне Қала, Хожели гузары көшеси 44В. Бағдар: «Илхамбек» тойхана

Реклама

Каракалпак 24

03 Dec, 14:55


Өзбекстанда жылытыў системасын халық өзи қәлеген ўақытта жағып, қәлеген ўақытта өшириў системасы жолға қойылыўы мүмкин

Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги басқарма баслығы Илҳам Тўраевтың сөзлерине бола, бул бағдарда жабық системаға өтиў режелестирилмекте.

"Туўри, ҳәзирги система - СССР дәўиринде қабыл етилген қағыйда. Бүгинги күнде оны жетилистириў ушын бирден-бир шешим - жабық системаға өтиў. Яғный жабық системаға өтип, индивидуал ыссылық пунктлеринде есаплағышлар орнатылады. Басқарыў сервис компаниясына келип түскен мүрәжатқа қарап, халық тәмийнатты жақтырады ҳәм өширеди. Жерлеў бөлиминде орнатылған есаплағышқа қарап, төлем әмелге асырылады," деген ол.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 14:46


⚡️Енди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары есапланады

Президенттиң 02.12.2024-жылдағы ПҚ-413-санлы қарарына тийкар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм районлар ҳәкимликлериниң структураларына төмендеги таза лаўазымлар киргизиледи:

✔️Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри;

✔️район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - район аўыл хожалығы бөлими баслығы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 14:39


Мектеп психологлары ушын аттестациядан өтиў тәртиби қандай?

2025-жыл январь-июнь айларында өткерилетуғын педагоглар аттестациясында мектеп психологлары қатнасыўы мүмкин. 

Аттестация процесслери төмендеги мүддетлерде өткериледи:

🔹январь-февраль айларында мүрәжатлар (арзалар) қабыл етиледи;
🔹март-май айларында тест сынақлары өткериледи.
🔹Июнь айында Сертификатлар тапсырылады.

Аттестация 2 басқышта өткериледи.

🔹Биринши басқышында: Педагогдың қәнигелик пәни ҳәм кәсиплик стандарты бойынша билим дәрежесин анықлаў мақсетинде 40 (35 қәнигелик пәннен+5 педагогтың кәсиплик стандартларынан) тест тапсырмасы бериледи. Ҳәр бир туўры орынланған тест тапсырмасы 2 балл менен баҳаланып, тест сынақлары ушын жәми 80 балл бериледи.

🔹Екинши басқышында: Педагогикалық шеберликти анықлаў мақсетинде алдыңғы педагогикалық усыл ҳәм технологияларды («cасе-студй» усылы, жойбарлар усылы, биргеликте оқытыў, «әмелий ойын», интерактив тәлим усылы ҳәм басқалар) қоллаў бойынша 10 тапсырма бериледи. Ҳәр бир туўры берилген жуўап 2 балл менен баҳаланып, жәми 20 балл бериледи.

Ҳәр еки басқыш та бир ўақытта компьютер программалары арқалы әмелге асырылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 14:29


NUKUS da varikozdan CHEGIRMA VA GARANTIYA bilan qutiling

Varikozdan arzon narxlarda, og'riqsiz, yarim soatda va kafolatli xalos bo'lmoqchimisiz?

Unda Sizni 5 va 6 dekabr kunlari Nukusdagi Grand Med Servis klinikasida kutib qolamiz.

Faqat qoraqalpog'istonlik bemorlar uchun barcha operatsiyalar ARZON NARXLARDA bajariladi.

Klinika manzili: Grand Med Servis klinikasi, Nukus sh., Tan Nuri, 175. Mo'ljal: ResGaz, Jumanji

Qabulga yozilish uchun: 99 511-98-88

TELEGRAM | INSTAGRAM | FASEBOOK

Реклама

Каракалпак 24

03 Dec, 14:25


☎️ Өзбекстандағы банклер ҳәм олардың исеним телефон номерлери:

Орайлық банк — +99871-212-62-05.
Ипотека банк — 1233.
Асакабанк — 1152.
Капитал банк — 1340.
Өзмиллий банк — 1344.
Халық банки — 1106.
Агро банк — 1216.
Туран банк — 1220.
МКБанк — 1285.
Өзсанаатқурылыс банк — 1180.
Жипек жолы банки — 1296.
Қишлоққурилиш банк — 1254.
Азия Альянс Банк — 1270.
Тенге Банк — 1245.
Садерот Банк —+99871-252-11-61.
Узум Банк — +99878-777-07-99.
Ориент Финанс Банк —  +99871-200-88-99.
Окто банк — +99871-202-33-33.
Аво банк — +99878-150-36-43.
БуПойтахт банк — +99871-214-20-00.
Мадад Инвест Банк — +99873-241-70-31.
Алоқа банк — +99871-230-77-77.
Траст банк — 1287.
Давр банк — 1284.
Инфин банк — 1214.
Ҳамкор банк — 1256.
Гарант банк — 1326.
Зираат банк — 1293.
Анор банк — 1290.
ТБС банк — 1150.
Универсал банк — 1355.
Апекс банк — 1881.
Ҳаёт банк —1320.
КДБ банк — +99878-120-80-00.

📌 @Nizamshiliq — нызамшылыққа байланыслы жаңалықлар

Каракалпак 24

03 Dec, 14:18


⚡️Жыл атамалары

1991-жыл — "Алишер Наўайы" жылы;
1992-жыл — "Шыпакерлер" жылы;
1993-жыл — "Ахмед Яссавий" жылы;
1994-жыл — "Мырза Улуғбек" жылы;
1995-жыл — "Ибн Сино" жылы;
1996-жыл — "Амир Темур" жылы;
1997-жыл — "Инсан мәплери" жылы;
1998-жыл — "Шаңарақ"жылы;
1999-жыл — "Ҳаял -қызлар" жылы;
2000-жыл — "Саламат әўлад" жылы;
2001-жыл — "Аналар ҳам балалар" жылы;
2002-жыл — "Кекселер қәдирлеў" жылы;
2003-жыл — "Абат мәҳалле" жылы;
2004-жыл — "Мийрим-шәпәәт" жылы;
2005-жыл — "Саламатлық" жылы;
2006-жыл — "Қәўендерлик ҳәм шыпакерлик" жылы;
2007-жыл — "Социаллық қорғаў" жылы;
2008-жыл — "Жаслар" жылы;
2009-жыл — "Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў" жылы;
2010-жыл — "Баркамал әўлад" жылы;
2011-жыл — "Киши бизнес ҳәм исбилерменлик "жылы;
2012-жыл — "Беккем шаңарақ" жылы;
2013-жыл — "Абат турмыс" жылы;
2014-жыл — "Cаламат бала" жылы;
2015-жыл — "Кекселерди қәдирлеў" жылы;
2016-жыл — "Саламат ана ҳәм бала" жылы;
2017-жыл — "Халық пенен сәўбет ҳәм инсан мәплери" жылы;
2018-жыл — "Жедел исбилерменлик, инновацион идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў" жылы;
2019-жыл — "Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажландырыў" жылы;
2020-жыл — “Илим-мәнаўият ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў" жылы;
2021-жыл — "Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў"жылы;
2022-жыл — "Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле" жылы.
2023-жыл — "Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў" жылы.
2024-жыл — "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў" жылы.
2025-жыл — "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика" жылы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 14:08


#Долзарб #Албатта_кўринг

Зулфия холамиз ҚАНДЛИ ДИАБЕТ сабаб оёқларига игна санчигандек оғришларидан, уйқусизлик, қабзият каби асоратлардан халос бўлибдилар. 16-18 сахарлари қандай қилиб 6 га тушганликларини ҳам холис айтиб бердилар.

Видеони ҚАНДЛИ ДИАБЕТдан қийналиб юрган яқинингизга албатта юборинг!

Зулфия холамиз каби Стоп диабет ичаётган инсонлар билан ўзингиз гаплашмоқчи бўлсангиз ушбу гуруҳга қўшилинг:
🔵https://t.me/qandli_diabet_muhokama
🔵https://t.me/qandli_diabet_muhokama

Биз билан боғланиш учун:
📲+998(55)503-05-05

Телеграм админ: @diabadminn

Зулфия холамиз Қорақалпоғистоннинг Беруний тумани Дўстлик маҳалласидан эканлар, ўзлари билан бориб гаплашиб кўришингиз мумкин.

Реклама

Каракалпак 24

03 Dec, 13:25


❗️Хакерлер бир секундта анықлаўы ҳәм бузыўы мүмкин болған 20 парол

“NordPass” парол менежери ғәрезсиз изертлеўшилер менен бирге 2023-жылда ең жақсы 20 дана кең тарқалған пароллар рейтингин дүзди.

1⃣ 123456 < 1 секунд - 4,524,867
2⃣ admin < 1 секунд - 4,008,850
3⃣ 12345678 < 1 секунд - 1,371,152
4⃣ 123456789 < 1 секунд - 1 213,047
5⃣ 1234 < 1 секунд - 969,811
6⃣ 12345 < 1 секунд - 728,414
7⃣ password < 1 секунд - 710,321
8⃣ 123 < 1 секунд - 528,086
9⃣ Aa123456 < 1 секунд - 319,725
🔟 1234567890 < 1 секунд - 302,709
1⃣1⃣ UNKNOWN < 17 минут - 240,377
1⃣2⃣ 1234567 < 1 секунд - 234,187
1⃣3⃣ 123123 < 1 секунд - 224,261
1⃣4⃣ 111111 < 1 секунд - 191,392
1⃣5⃣ Password < 1 секунд - 177,725
1⃣6⃣ 12345678910 < 1 секунд - 172,502
1⃣7⃣ 000000 < 1 секунд - 168,653
1⃣8⃣ admin123 < 11 секунд - 159,354
1⃣9⃣ **** < 1 секунд - 152,497
2⃣0⃣ user < 1 секунд - 146,233

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 13:01


🌟 Нукусте ароматлар дуньяси — Datum Parfume!🌟


Енди сиз Нокистин озинде ен жокари сападаги дунья дарежесине жуап беретин парфюмларди оз каланизда алсаниз болади!🌍


💎 Европадан келген 350 ден артык парфюмлар.
💼 Сиз тек Гана ароматтин озине толейсиз, упаковка емес.
💯 Бизлердин консультандларымиз сизге идеальный парфюм тауип бере алади.

Манзил: Ерназар Алакоз кошесы,60, " Мега " сауда орайы,2-этаж,25-магазин.
📲 Телефон: +998 97 652 70 70
🔗@datumdeparfume

Datum Parfume — Нукус филиал да кутп каламз!🌸

Реклама

Каракалпак 24

03 Dec, 12:00


Mektep oqıwshıları ushın online testler!

- Matematika - 10 soraw
- Inglis tili - 10 soraw

📝 Online test @edu_panda telegram kanalında boladı.

🚨Test waqtı 21:00 de !

📝 Test sorawları Prezident mektebi, Al-Xorezmiy hám Qánigelestirilgen mektepleri imtixán larınan dúzilgen.

🎁 Testke qatnasıw bıypul!

Xabardı 2-klasstan 10-klassqa shekem bolġan mektep oqıwshıları hám ata-analarına tarqatamız.

Kanalġa aġza bolıń👉🏻@edu_panda

Реклама

Каракалпак 24

03 Dec, 11:23


🥇«КАРАКАЛПАК 24» ҳәмде
«НЕ ЖАҢАЛЫҚ?»
телеграм каналлары халықтиң пикирин үйрениў мақсетинде «Жылдың ең белсенди ҳәкими ─ 2024» социаллық сораўнамасын өткермекте

Сиз жыл даўамында қайсы ҳәким өзине жүклетилген ўазыйпаларды атқарыўда ҳәм де машқалаларды шешиўде белсендилик көрсетти деп есапласаңыз, сол ҳәкимге өз даўысыңызды бериўиңиз мүмкин!

03.12.2024 16:20 жағдайына бола рейтинг

🟢 БЕЛСЕНДИ
🟢 1. В.Ниязымбетов - 4697 даўыс
🟢 2. С.Хўжаметов - 2198 даўыс
🟢 3. А.Баймуратов - 1345 даўыс
🟢 4. Б.Мадаминов - 573 даўыс
🟢 5. А.Тажетдинов - 570 даўыс

🟡 ОРТАША
🟡 6. Ж.Ермашев - 497 даўыс
🟡 7. А.Данияров - 489 даўыс
🟡 8. Р.Шамуратов - 410 даўыс
🟡 9. Б.Менглибеков - 333 даўыс
🟡 10. А.Камалов - 259 даўыс
🟡 11. Б.Султанов - 241 даўыс

🔴 ТӨМЕН
🔴 12. Ж.Адилов - 238 даўыс
🔴 13. А.Аметов - 173 даўыс
🔴 14. К.Айтбаев - 155 даўыс
🔴 15. З.Зайтов - 87 даўыс
🔴 16. И.Хидиров - 78 даўыс
🔴 17. К.Алланиязов/Б.Уббиниязов - 59 даўыс

🕰 Даўыс бериў процеси 2024-жыл 20-декабрь саат 23:59 ға шекем даўам етеди.

👉ДАЎЫС БЕРИЎ👈
👉ДАЎЫС БЕРИЎ👈

Каракалпак 24

03 Dec, 09:16


Президент қарары менен 2030-жыл 1-январға шекем мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлери салықлардан азат етиледи

барлық түрдеги салық (социаллық салықтан басқа) ҳәм жыйымлардан азат етиледи;

Онда мийнет жумысын әмелге асырып атырған сырт елли оқытыўшы ҳәм қәнигелер физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық төлемейди.

2025-жыл 1-январдан баслап:

Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери тәрепинен сырт елден тартылған қәнигелерге мийнет етиў ҳуқықын бериўши тастыйықлаў жыйымының муғдары БЕМниң 30 есесинен 1 есесине шекем азайтылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Dec, 08:40


❗️Абайлы болың. Алдаўшылар жаңа усылға өтти!

Телеграм пайдаланыўшыларына усындай көринистеги хабарлар келиўде даўам етпекте. Хабар исенимлилигин арттырыў мақсетинде пайдаланыўшылардың толық аты-фамилиясы көрсетилген ҳалда жиберилмекте.

Көпшилик усындай хабарларға исенип, өз телефонына хабар арқалы келген қосымшаны орнатқанынан соң, банк картасындағы пуллары алдаўшылар тәрепинен шешип алынған.

Ҳеш қашан телеграм арқалы жиберилетуғын бундай көринистеги қосимшаларды телефонынызға орнатпаң. Болмаса алдаўшылар торына түсип қалыўыңыз мүмкин.

Мәжбүрий орынлаў бюросынан қарыздарлық бар-жоқлығын анықлаў ушын МОБ базасы арқалы тексерип көриў мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 14:10


texnomart кузнинг салқин кунларида қайноққина чегирмалар эълон қилди 🔥

22 ноябрдан 30 ноябргача – "Сариқ ҳафта" акциясини қарши олинг! Сифатли ва ишончли техникаларга 70% гача чегирмалар. Совутгичлар, телевизорлар, кир ювиш машиналари - барчаси фойдали нархларда.

Шошилинг, акция бор йўғи 9 кун давом этади ва маҳсулотлар ҳам тугаб қолиши мумкин! 🛍

Telegram | Instagram | Do’konlarimiz

Реклама

Каракалпак 24

22 Nov, 11:21


«Права» алыў ушын тест қашан ашылады?

Толық мағлыўматты жоқарыдағы видеодан алсаңыз болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 11:10


Нызамшылықта жасларға берилген айырым жеңилликлер

▫️Мүддетли әскерий хызметти өтеген ҳәм контракт бойынша оқып атырған жәмийетлик белсенди студентлерге контракт суммасының 35 проценти төлеп бериледи.

▫️Контракт тийкарында оқып атырған студентлерге тәлим кредити бериледи.

▫️«Жаслар дәптери»не киргизилгенлердиң имканияты шекленген шаңарақ ағзаларына дәри-дәрмақ, майыплық арбашалары, еситиў аппаратлары ҳәм ортопедикалық өнимлер сатып алыўы ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 650 мың сум) муғдарында жәрдем көрсетиледи.

▫️Майыплығы болған жасларға оқыў, жасаў ҳәм трансторт қәрежетлерин қаплаў ушын БЕМның 50 есесине шекемги (16 млн 500 мың сум) муғдарда субсидия ажыратылады.

▫️Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириўде ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Президент гранты енгизилген.

▫️Мәҳәлледеги жаслар жетекшилери усынысы тийкарында 13 түрдеги жәрдем бериледи.

▫️Айырым жаслар ЖООна оқыўға қабыл етиўде тест сынаўларында қатнасыў ушын өндирилетуғын төлемлерден азат етиледи.

▫️«Өтмишке саяхат» бағдарламасы шеңберинде «Жаслар дәптери»не киргизилгенлер мәмлекетлик музейлерге бийпул киргизиледи.

▫️Сырт елдеги жас ўатанласларымыздың министрлик, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 11:00


2,3,4-klasslar ushın online test!

- Matematika - 10 soraw
- Inglis tili - 10 soraw

📝 Online test @edu_panda telegram kanalında boladı.

🚨Test waqtı búgin 20:00 de !

Xabardı 2,3,4-klass mektep oqıwshıları hám ata-analarına tarqatamız.

Kanalġa aġza bolıń👉🏻@edu_panda

Реклама

Каракалпак 24

22 Nov, 10:15


⚡️UzAuto Motors 4 саат ишинде 20 264 Собалтқа шәртнама дүзди

Бүгин саат 10:00 де басланған коньтрактация тек ғана 14:00 ге шекем даўам етти.

Компания усы ўақыт даўамында UzAutoSavdo платформасына 21,2 мың киберҳүжим уйымластырылғанын мәлим етти.

Сондай-ақ, коньтрактация даўам етип атырған ўақытта компанияның Call-орайына 1058 ден аслам қарыйдар мүрәжат еткен.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 09:45


❗️Нызамшылықта муғаллимлерге берилген айырым жеңилликлер менен танысың

🔹1-октябрь "Муғаллимлер ҳәм устазлар күни" деп белгиленген ҳәм бул күн байрам (дем алыс) күни есапланады.

🔹Балаларға тәлим-тәрбия беретуғын барлық педагог хызметкерлер турақлы түрде бийпул медициналық тексериўден өткериледи.

🔹Педагоглар ушын 56 күнлик жыллық ҳақы төленетуғын узайтырылған дем алыслар бериледи.

🔹Педагог хизметкерлер ушын жумис ўақтының даўамыйлығы ҳәптесине көби менен 36 саат етип белгиленеди.

🔹 Мектеп муғаллимлерине жумысты баҳалаў нормалары тийкарында 10 проценттен 40 процентке шекем, китапханашы ҳәм психологларға 10 проценттен 20 процентке шекем үстеме белгиленеди.

🔹 Пән олимпиадасының жеңимпазын таярлаған оқытыўшылар хошаметленеди.

🔹Муғаллимлер наўқас болып қалганда материаллық жәрдем бериледи.

🔹Олимпиада жеңимпазы болған муғаллимлерге 150 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Өзи сабақ беретуғын пән бойынша халықаралық тән алынған ҳәм миллий сертификатқа ийе болған муғаллимлерге олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

🔹"Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп" таңлаўының жеңимпазы болған мектепке ярым миллиард сум бериледи.

🔹Инклюзив класс муғаллимлерине 40 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Алыс аймақларда сабақ берип атырған муғаллимлерге 50 процентке шекем үстеме бериледи.

🔹Математика, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшыларға ақшалай пул сыйлығы бериледи.

🔹Көп жыллық стажға ийе педагоглар мәжбүрий аттестацияга тартылмайды.

🔹Халықаралық пән олимпиадаларын таярлаған оқытыўшыларға маманлық категориясы аттестациясыз бериледи.

🔹Республикалық пән олимпиадасы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлердиң маманлық категориясы бир басқышқа арттырылады.

🔹Медицина тараўы профессор-оқытыўшыларына емлеў-диагностика жумысларын орынлағаны ушын қосымша ҳақы төленеди.

🔹Билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери пәни муғаллимлерине айлық үстемелер бериледи.

❗️Оқытыўшылардың жумысына араласқанлық ушын жуўапкершилик бар.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 09:27


⚡️Медицина ЖООларының 200 питкериўшиси сырт-елде оқытылады

Президент қарарына муўапық, усы оқыў жылынан баслап медицина жоқары оқыў орнының 200 питкериўшиси магистратура ҳәм клиникалық ординатура бағдарламалары тийкарында жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм орайларында оқытылады.

Сондай-ақ, қарарда:

медицина жоқары оқыў орнының питкериўши курсы студентлеринде шаңарақлық шыпакер ушын талап етилетуғын клиникалық көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде көп тармақлы медицина шөлкемлеринде мийнет ҳақы төленетуғын интернатура шөлкемлестириледи;

медицина бағдарындағы ЖОО студентлериниң билимлери еки басқышлы баҳалаў системасы тийкарында баҳаланады;

Ташкент медицина академиясының билимлендириў бағдарламалары халықаралық аккредитациядан өткериледи;

медицина бағдарындағы жоқары оқыў орынлары студентлериниң билимлери еки басқышлы баҳалаў системасы тийкарында баҳаланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 09:17


Тарийхый ўақыя. ХОЖЕЛИ! 🤯👇🏻

🤩 Бизден және бир жаңалық!

GRAND LAVASH Хожели районынан өзиниң жаңа 5-филиалын ашпақта.

🤗 Бәршеңизди 23-ноябрь күни ашылыў мәресими мүнәсибети менен өткерилип атырған "Гала Концерт"ке мирәт етемиз!

😍 Концертте эстрадамыз жулдызларынан:

🎤 Дж Миран, Бахадир Разимбетов, Мадияр Бекполатов, Ислам Муратбаев, Алишер Байниязов ҳәм Тимур Нуратдиновлар қатнасады!

🎁 Сондай-ақ, УТЫСЛЫ ОЙЫНЛАР өткериледи. Ойынларға БАҲАЛЫ саўғалар қойылған.

😊 Бәрин жақыннан көрип, атмосферамыз бенен танысың.

Сизди досларыңыз бенен биргеликте Хожелиде күтемиз🙃

📍Мәнзил: Хожели районы ҳәкимяты жанындағы орайлық майданша

☎️ 612226622

Реклама

Каракалпак 24

22 Nov, 06:30


💰 Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик бақшаларға жеңиллик тийкарында қабыл етиледи

📑 Президент қарарына бола, төмендегилер әмелге асырылады:

𒊹︎︎︎ 2025-жыл 1-январьдан баслап кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллик тийкарында қабыл етиледи;

𒊹︎︎︎ 2025-2026-оқыў жылынан баслап кәмбағал шаңарақлар перзентлериниң мәмлекетлик ЖОО студентлер турақ жайларында жасаў ғәрежетлери мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи;

𒊹︎︎︎ 2025-жылдан баслап «El-yurt umidi» қоры тәрепинен кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын өз алдына квоталар ажыратылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 06:07


❗️Абайлы болың
      
Хүрметли пуқаралар турақ жайларыныздағы ысытыуэў қазанларының сазлығына итибар бериң. Олардан пайдаланыўдан алдын морыларын тазалатпай түрып газ үскенелеринен пайдаланбаң.
      
Ысытыў қазанларының морыларын көриктен өткериў оларды тазалатыў ушын төмендеги қәнигелерге мүраажат етиўиңиз мүмкин.

☎️ Өртке қарсы гүресиў жәмийети: 612221947

☎️ Өртке қарсы хызмет ЖШЖ: +998993185222

☎️ Қәўипсиз газ хызмети ЖШЖ: +998500078104

☎️ Нөкис қалалық газ тамийнаты бөлими: 104

☎️ Айрықша жағдайлар бөлими: 101, 1050

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 06:01


🚀 Beeline bilan cheksiz Internet.

⚡️Istalgancha onlayn qoling - hech qanday cheklovlar yo‘q!
Hoziroq ulaning va Beeline bilan juda foydali narxda cheksiz mobil internetdan bahramand bo‘ling.

👉Cheksiz internetni ulash

Реклама

Каракалпак 24

22 Nov, 05:35


Уйқылаўдан 4 саат алдын аўқатланыўды тоқтатыў керек. Не ушын?

Толық мағлыўмат видеода.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 05:23


❗️Сайт ислемей қалды

"UzAuto Motors" жаңа Chevrolet "Cobalt"лар ушын шәртнама бериўди баслады бирақ сайт ислемей қалды.

Автомобиллерди сатып алыў ушын шәртнаманы тек қана savdo.uzavtosanoat.uz сайты арқалы онлайн алыў мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 05:20


❗️Хакерлер бир секундта анықлаўы ҳәм бузыўы мүмкин болған 20 парол

“NordPass” парол менежери ғәрезсиз изертлеўшилер менен бирге 2023-жылда ең жақсы 20 дана кең тарқалған пароллар рейтингин дүзди.

1⃣ 123456 < 1 секунд - 4,524,867
2⃣ admin < 1 секунд - 4,008,850
3⃣ 12345678 < 1 секунд - 1,371,152
4⃣ 123456789 < 1 секунд - 1 213,047
5⃣ 1234 < 1 секунд - 969,811
6⃣ 12345 < 1 секунд - 728,414
7⃣ password < 1 секунд - 710,321
8⃣ 123 < 1 секунд - 528,086
9⃣ Aa123456 < 1 секунд - 319,725
🔟 1234567890 < 1 секунд - 302,709
1⃣1⃣ UNKNOWN < 17 минут - 240,377
1⃣2⃣ 1234567 < 1 секунд - 234,187
1⃣3⃣ 123123 < 1 секунд - 224,261
1⃣4⃣ 111111 < 1 секунд - 191,392
1⃣5⃣ Password < 1 секунд - 177,725
1⃣6⃣ 12345678910 < 1 секунд - 172,502
1⃣7⃣ 000000 < 1 секунд - 168,653
1⃣8⃣ admin123 < 11 секунд - 159,354
1⃣9⃣ **** < 1 секунд - 152,497
2⃣0⃣ user < 1 секунд - 146,233

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 05:01


❗️Педагоглар абаданластырыў жумысларына мәжбүрлениўи қадаған етиледи

"Педагогтың статусы ҳаққында"ғы Нызамның 901-санлы 5-статьясына тийкарланып,

Педагогты кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған жумысларға, соның ишинде аймақларды абаданластырыўға ҳәм аўыл хожалығы жумысларына тартыў қадаған етиледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

22 Nov, 04:50


⚡️⚡️⚡️Абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары дыққатына !

Нөкис медицина техникумында студент болыў ушын еле кеш емес !

Жөнелислеримиз:
Мийирбекелик иси
Фармация
Фелдшер
Патронаж мийирбекеси жөнелислери бойынша ҳәзирақ имтиҳансыз студент болсаңыз болады.

🔹 Контракт бахасы 4 250 000 сўм ( 1 семестр ушын)
🔹 Контракт пулын 1 жыл даўамында бөлип төлей аласыз
🔹 100% жумыс ислеў кепиллиги
🔹 Мәмлекетлик диплом
🔹 Медицина институтларына 2-курстан сәўбет тийкарында оқыўға кириў имкәнияты
🔹 Емлеўхана ҳәм дәриханаларда жумыс ислеў
🔹 Косметология кәсибин бийпул үйрениў
🔹 Мед фрилансерлик жумысы тайяр
🔹 Жумыс бериўши компанияларда әмелият өтеў
🔹 Инновацион технологиялар

📄 Litsenziya (№058513, 14.01.2023-jıl)

Ҳәзирақ қоңыраў етиң ҳәм студент болың 👇👇👇

Колл центр:
☎️ +998910983611
☎️ +998910973611
☎️ +998910963611
☎️ +998992089373

👉 @nukus_med_texnikumi

Реклама

Каракалпак 24

18 Nov, 07:40


⚡️ «Айдынлар» қосығы француз тилинде атқарылды

«ЛАБИРИНТ» телеграм каналының жазыўынша, қарақалпақ халық қосығына айланып кеткен «Айдынлар» қосығы француз тилинде атқарылған. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, қосықтың сөзи Әденбей Тәжимуратовқа, намасы Марқабай Жийемуратовқа тийисли.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

18 Nov, 07:32


🍇🍇🍇 От таких предложений не отказываются 😍

Суперскидки на товары действуют только 24 часа — успейте сделать заказ:

▫️ Шапка бини 47 000 ➡️ 29 000 сумов;
▫️ Ноутбук Lenovo V15 2 839 000 ➡️ 2 499 000 сумов.

Не упустите выгоду на Главной распродаже года в Uzum Market ⚡️

Реклама

Каракалпак 24

17 Nov, 14:20


👨‍💻 Жеке университетлер жаўылып кетсе, ол жерде оқып атырған студентлер не ислейди?

📑 Президенттиң жаңа қарарына бола, билимлендириў мәкемелери ҳәр 4 жылда мәмлекетлик аккредитациядан өткериледи. Аккредитациядан өте алмаған ЖООлардың лицензиясы бийкар етиледи.

🏢 Лицензиясы бийкар етилген ЖОО ямаса жабылған ЖООда оқып атырған студентлерге оқыўын мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес ЖООлардың сәйкес және түрлес тәлим бағдарларына көшириў ҳуқықы бериледи.

☑️ Яғный, егер студент оқып атырған жеке ЖОО жаўылып қалса, студент оқыўын мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес ЖООларға көшире алады.

Ҳәзирги тәртип бойынша, мәмлекетлик ЖООға көшириў ушын беглиленген тәртипте – тест сынағынан өтиў баллын топлаў керек.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 14:02


❗️Мета Instagram ҳәм
WhatsApp'ты жоқ қылыўы мүмкин


АҚШ Федерал саўда комиссиясы корпорацияға қарсы даўа қозғатты ҳәм Метаны усы платформаларды сатып алғаннан кейин социаллық тармақлар базарында үстинликке ерискенликте айыпламақта, деп хабар береди The Verge.

2020-жылы да комиссия Мета'ға усындай айыплаўларды қойған еди, бирақ корпорация сол ўақытта жуўапкершиликтен қутылған.

Бул арада, деректиң айтыўынша, Марк Цукерберг Трамп пенен жақынласыўға урынбақта. Жаңа президент, бириншиден, бундай ири сатып алыўларға унамлы мүнәсибетте, екиншиден, Саўда комиссиясының баслығын алмастырыўды режелестирмекте.

Мета корпорация (Facebook, Instagram) екстремистлик деп тән алынган ҳәм Россияда қадаған етилген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 13:31


Фермерлердиң жерлерин ҳәким алып қойыўға ҳақысы барма?

❗️Ҳәким фермердиң жерин алып қойыўға ҳақысы жоқ, фермерлер жери тек қана суд тәрепинен алып қойылады.

Фермер хожалығы ҳаққында нызамның 33-статьясы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 13:13


«X» жол белгиси ҳаққында не билесиз?

3.27. жол белгиси тоқтаў ҳәм тоқтап турып қағыйдаларын тәртипке салады. Бул белги жолдың қайсы тәрепине орнатылған болса, сол тәрепте күшке ийе. Яғный, белги орнатылған тәрепке машина қойыўға болмайды, ал қарама-қарсы тәрепине қойыў мүмкин.

Видеоны тамаша етип, толық мағлыўмат алсаңыз болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 12:17


Доллар курсы келеси 3 жыллықта қандай болады?

Өзбекстанда доллардың сумға салыстырғанда индикатив курсы ислеп шығылды. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги Мәмлекетлик бюджет жойбарына тийисли прогнозларды киргизген.

Оған бола, 2025-жылға мөлшерленген бюджет параметрлеринде доллар курсы орташа жыллық 13250 сумнан есапланған. Мағлыўматқа бола, АҚШ валютасының сумға салыстырғанда басқышпа-басқыш беккемлениўи күтилмекте. Солай етип, 2027-жылға барып доллар 14 150 сумға жетиўи мүмкин. Кейинги 3 жыл ушын күтилип атырған ставка төмендегише:

2025-жыл — 13 250 сум;
2026-жыл — 13 725 сум;
2027-жыл — 14 150 сум.


Доллар курсының прогнозы бойынша экспертлер ҳәр қыйлы пикир билдирмекте. Айырымлар департаменттиң прогнозин жүдә реал деп есапласа, басқалар жәҳән финанс базарларындағы анықсызлық себепли доллар курсы және де тез көтерилиўи мүмкин, деп есапланбақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 12:00


Ассалаўма алейкум ҳүрметли 3-4-класс балалардың ата-аналары!

Ҳәр қала күни саат 19:00ден 21:00 ге дейинги аралықта усы телеграм каналда 3-4-класс балалары ушын математика пәнинен онлайн репетицион тест өткиземиз.
Бул балаларыңыздың билимин тексерип қалмай, ҳәмде қосымша билим алыўға-имкәният.

-Бийпул.

Телеграм каналымыз

Реклама

Каракалпак 24

17 Nov, 11:36


🇰🇿 Қазақстанда балаларды тәрбиялаў ушын ҳаял-қызлардың жумыс ўақтын қысқартыў усыныс етилди

Депутат Каракат Абден ҳаял-қызлардың лидерлигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде күни-түни жумыс ислейтуғын бақшалар, жумыс орынларында балалар бөлмелерин шөлкемлестириўди ҳәм төлемли декрет дем алысын еки жылға шекем созыўды да алға қоймақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 10:44


🛵 Скутер ҳәм самокатлардағы қағыйдабузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди (28-ноябрден күшке киреди)

Бул бойынша нызамға Президент тәрепинен қол қойылды.

Нызамға бола, скутер ҳәм индивидуал ҳәрекетлениў қуралларын басқарып атырған шахслардың жол ҳәрекетин тәртипке салыўшы сигналларға бойсынбаўы, үстинлик бериўши, қадаған етиўши ямаса көрсетпе бериўши жол белгилери талапларына әмел етпеўи:

▪️базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги муғдарында (123 мың 300 сум) жәриймаға себеп болады.

Сондай-ақ, скутер ҳәм самокатларды белгиленген тәртипте нур қайтарғыш ҳәм шырақларсыз басқарса:

▪️БЕМниң екиден бир бөлеги муғдарында (185 мың сум) жәрийма салынады.

Индивидуал ҳәрекетлениў қураллары ҳәм скутер айдаўшылары адамларды тасыса:

▪️БЕМниң екиден бир бөлеги муғдарында (185 мың сум) жәрийма салынады.

Скутер ямаса жеке ҳәрекетлениў қуралын басқарып атырған шахс алкоголь, нәшебентлик зат тәсиринде болып, ямаса басқаша түрде мәс болған ҳалда жол ҳәрекети қағыйдаларын бузса:

▪️БЕМниң үш есеси муғдарында (1 млн 110 мың сум) жәриймаға тартылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 10:15


❗️️Киберқәўипсизлик орайы кең жайылып атырған Телеграм-вирусларынан ескертти

Ишки ислер министрлигиниң Киберқәўипсизлик орайы Телеграм арқалы тарқалып атырған көплеген вируслардан ескертти.

Атап өтилиўинше, алдаўшылар аккаунтты ийелеў мақсетинде ҳәр қыйлы көринисте зыянлы силтемелер ҳәм файлларды тарқатпақта.

Киберқәўипсизлик орайы алдаўшылар тузағына түсип қалмаў ушын еки басқышлы аутентификацияны орнатыў, СМС-хабарда келген санларды ҳеш кимге айтпаў, Телеграм сазламасындағы "Қурилмалар" бөлиминде "Жедел сеанслар"ды тексерип, бийтаныс қурылмалардың жумысын тоқтатыўды усыныс етпекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 10:10


Енди музыка пәни оқытыўшылары категория алыў ушын Мәденият министрлиги имтиханынан да өтеди

Музыка мәденияты пәни оқытыўшыларына еки басқышлы категория бериў тәртиби ислеп шығылады ҳәм биринши басқыш (тест процесслери) Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен, екинши басқыш (әмелий яғный дөретиўшилик) имтиханы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестириледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 10:00


🎉 MEDIAPARK'da yilning eng manfaatli aksiyasi! Faqat 15-noyabrdan 17-noyabrgacha! 🎉

💥 Kaskadli chegirmalar 50% gacha va 20% KESHBEK!
🔹 20%, 30%, 40%, 50% chegirmalardan tanlang, qancha tejashni xohlasangiz!
🔹 Katta va kichik maishiy texnika uchun 20% keng kashbek oling!

🔥 Rad etib bo'lmaydigan aksiyalar:
Philips, Honor, Vivo mahsulotlarida 1+1 – ikkita oling, birining narxini to'lang!
Ko'plab chegirmalar va 1+1 aksiyalari👈

🏠 Yilning asosiy aksiyasi – Toshkentda kvartira o'yini!
4.000.000 so'mdan ortiq xarid qiling va orzular o'yinida ishtirok eting!

4.000.000 so'mga Toshkentda Xonadon 👈

Faqat 3 kun, foydani tanlash uchun!
MEDIAPARK – har bir tanlovda foyda!

Bizning rasmiy Instagram sahifamiz:
😎 MEDIAPARK_UZBEKISTAN

🔴MEDIAPARK ilovasini yuklab olish:
MEDIAPARK

📞 71-203-33-33

📱Telegram |📱Instagram |📱 Site

Реклама

Каракалпак 24

17 Nov, 09:34


🚶‍♂Жүриў организмге қандай тәсир көрсетеди?

3 минут жүриў — қан басымын төменлетеди.
5 минут таза ҳаўада жүриў, кейпиятти көтереди.
10 минут жүриў, дөретиўшилик пикирлеўди арттырады.
Аўқаттан кейин 15 минут жүриў, қандағы қант муғдарын жеңиллестиреди.
Аўқаттан кейин 30 минут жүриў, артықша салмақтан азат етеди.
40 минут жүриў, кекселерде жүрек кеселлигиниң алдын алады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 09:10


❗️1-январдан баслап, донорларға 5,6 миллион сум хошамет пулы бериледи

Шавкат Мирзиёев донорларды қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар менен танысты.

Оған бола, "Өзбекстан Республикасының ҳүрметли доноры" көкирек белгисин алғанларға берилетуғын ақшалай сыйлық 3 есеге — БЕМниң 5 есесинен 15 есесине шекем арттырылады.

Оларға жәмиетлик транспорттан бийпул пайдаланыў ҳуқықы бериледи, мәмлекетлик саламатландырыў орынларында емлениў нәўбециз болады.

Бул жаңа система келеси жылы 1-январдан баслап енгизилетуғыны белгиленди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 09:01


Қытайдың BYD компаниясы бир жерде турып секире алатуғын автомобил жаратты.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 08:50


❗️Айырым исбилерменлерге төлеген салығының бир бөлеги қайтарып бериледи

Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған ўақтыншалық нызамға муўапық, усы жылдың 1-октябринен баслап, туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерге бюджетке төленген салықтың 20 проценти қайтарылыўы басланды.

2025-жыл 1-январдан баслап болса, улыўма аўқатланыў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субектлерине айлық товарларды (хызметлерди) реализациялаў бойынша айланысының нақ пульсыз бөлеги:

60 процент ҳәм оннан жоқары болса — бюджетке төленген салықтың 40 проценти;
60 проценттен аз болғанда — бюджетке төленген салықтың 20 проценти қайтарылады.

Исбилерменлик субекти салық есабатын усыныўдан соң, бирақ 3 айдан кешиктирмей салықтың бир бөлегин қайтарыў ушын мүрәжат етиўге ҳақылы.

Бул нызам 2028-жыл 1-январға шекем әмел етеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

17 Nov, 07:00


#Seminar_trening #Advokatlar #Repetitor #Abiturientler #Yurisprudenciya

📚 "Modern education" 🎓 oqıw orayınıń abiturient shákirtleri tájriybeli repetitor ustazları Damir Xudaynazarov hám Maxmud Sársenbaevlar basshılıǵında óz kásibiniń maman qániygeleri bolǵan advokatlar Timur Artikov hám Raxim Jumabaevlar menen ushırastı.

Ushırasıw keshe seminar-trening hám soraw-juwap kórinisinde shólkemlestirildi.

"Zaman bilimliniki, grant - oqıǵandiki, keleshek - búgin háreket etkendiki"

📲 Instagram: https://instagram.com/xdm_education_nks?igshid=OGQ5ZDc2ODk2ZA==

▪️ Telegram 👉
https://t.me/tariyx_online

Реклама

Каракалпак 24

17 Nov, 05:50


❗️Қарақалпақстандағы район ҳәм қала «зам» ҳәкимлериниң жумысын баҳалаў тәртиби тастыйықланған

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 20.09.2024-жылдағы қарары менен Район (қала) ҳәкими орынбасарларының жумысын ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалаўдың ўақытша тәртиби тастыйықланған.

📈Оған көре, «зам» ҳәкимлердиң жумысы ҳәр шеректе тийисли мәкемелерден алынған мағлыўматлар тийкарында баҳалап барылады (мәкемелер дизими фотода).

☝️Баҳалаў нәтийжелери бойынша «жақсы» баҳа алған «зам» ҳәкимлерге айлығының 50% муғдарында, «айрықша» баҳа алғанларға – 100% муғдарында үстеме төленеди. Ал «қанаатландырарсыз», яғный «3» баҳасын алған «зам» ҳәкимлерге интизамлық жуўапкершилик мәселеси көрип шығылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

15 Nov, 09:01


❗️Айырым исбилерменлерге төлеген салығының бир бөлеги қайтарып бериледи

Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған ўақтыншалық нызамға муўапық, усы жылдың 1-октябринен баслап, туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерге бюджетке төленген салықтың 20 проценти қайтарылыўы басланды.

2025-жыл 1-январдан баслап болса, улыўма аўқатланыў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субектлерине айлық товарларды (хызметлерди) реализациялаў бойынша айланысының нақ пульсыз бөлеги:

60 процент ҳәм оннан жоқары болса — бюджетке төленген салықтың 40 проценти;
60 проценттен аз болғанда — бюджетке төленген салықтың 20 проценти қайтарылады.

Исбилерменлик субекти салық есабатын усыныўдан соң, бирақ 3 айдан кешиктирмей салықтың бир бөлегин қайтарыў ушын мүрәжат етиўге ҳақылы.

Бул нызам 2028-жыл 1-январға шекем әмел етеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

15 Nov, 08:30


Қытайда Хпенг Модуллы ушатуғын машина биринши пәрўазин нәтийжели әмелге асырды

Сынақ пәрўазынан кейин компания 2000 ден аслам алдыннан буйыртпаларды қабыл еткен. Сериялық ислеп шығарыў 2026-жылға мөлшерленген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

15 Nov, 08:10


Шоманайда топар болып ҳәрекетленген транспортлар жәрийма майданшасына қойылды

Шоманай районындағы той сейилинде топар болып ҳәрекетленген ҳәм ҳәрекет даўамында ЖТҲин келтирип шығарыўы мүмкин болған ҳәрекетлер ислеген транспорт басқарыўшылары анықланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

15 Nov, 07:59


Uzum экотизимининг электрон савдо айланмаси 237 миллион долларга етган

Ўтган 9 ойда платформадаги сотувчилар сони икки бараварга ошди, маҳсулот ассортименти эса 1 миллиондан ортиқни ташкил этди. Ўсишнинг муҳим омилларидан бири логистиканинг такомиллашуви бўлди — мамлакат бўйлаб 800 дан ортиқ тарқатиш нуқталари ва сотувчилар учун янги FBS хизмати тақдим этилди. 2024 йилнинг 9 ойи давомида платформанинг айланмаси уч бараварга ошди, буюртмалар сони эса 2,5 бараварга кўпайди. Бугунги кунда Uzum нафақат e-commerce, балки финтех хизматларини ҳам фаол ривожлантирмоқда. Uzum аудиторияси йил давомида икки бараварга ортди ва мамлакатда 12 миллиондан ортиқ аҳоли унинг платформаларидан фойдаланмоқда.

Батафсил

Реклама

Каракалпак 24

15 Nov, 07:26


Жәмийетлик транспорт машқалалары бойынша исеним номери жолға қойылды!

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги аймақта жәмийетлик транспорт машқалаларын анықлаў мақсетинде 61 225-70-34 исеним номерин жолға қойды.

Ҳүрметли пуқаралар, транспорт хызметлериниң сапасын жақсылаў ямаса машқалалар бойынша пикир-усынысларыңызды 09:00 - 18:00 аралығында жоқарыдағы номерге телефон етип билдириң.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 19:43


Билимлендириў тараўына 2025-жыл ушын 84,3 триллион сум ажыратылыўы режелестирилмекте

Олий Мәжлис Нызамшылық палатасында "2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызам жойбары додаланбақта.

Жойбарда билимлендириўге төмендеги муғдарда қаржылар ажыратылыўы режелестирилген:

Улыўма билимлендириў — 54 триллион сум;
Мектепке шекемги билимлендириў — 15,8 трлн сум;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў — 14,5 трлн сум;
Жәми билимлендириў тараўы — 84,3 триллион сум.

Бул қаржылар улыўма Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 25 процентин қурайды ҳәм 2024-жылға салыстырғанда 13,2 триллион сумға көп.

Сондай-ақ:
🔹Азық-аўқат қәрежетлери: Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын 2,5 триллион сум (15% көп).
🔹Мәмлекетлик грант тийкарында оқыўшылар: 10,7 трлн сум (11% көп).

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 16:00


Исбилерменлик субектлеринде шөлкемлестириўши болған 1,5 мыңға шамалас мәмлекетлик хызметкер анықланды

Мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң 1 488 басқарыў хызметкери 1 653 исбилерменлик субьектлеринде шөлкемлестириўшилик тийкарында жумыс алып барып атырғаны анықланды.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен тийисли шөлкемлерге 33 усыныс киргизилди.

Мағлыўмат ушын, нызамшылыққа бола, министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик унитар кәрханалар ҳәм мәкемелер, мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған шөлкемлер ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары хызметкерлериниң исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы қадаған етилген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 15:20


Ендигиден былай Onix ҳәм Tracker 2 автомобиллерин басланғыш 5% есабынан кредитке алыў мүмкин

Оних, Траккер, Каптива 5 ҳәм басқа да маркалы автомобиллердиң сатылыўы соншелли жаман, УзАуто Моторс және физикалық шахслар ушын жыллық 5,99% ҳәм юридикалық шахслар ушын болса 5% жеңиллетилген автокредитлерди усыныс етпекте.

Төлем 24 ямаса 36 ай ишинде әмелге асырылыўы керек.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 15:01


«Қарақалпақ шайыры Әжинияз Қосыбай улы» китабының презентациясы өткерилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Түркий халықлар Академиясының басламасы менен Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы қарсаңында оның таңламалы шығармаларының Түрк ҳәм Әзербайжан тиллерине аўдармаланған китапларының презентациясы болып өтти.

Онда Түрк Академиясының президенти Шаин Мажидович Мустафаев, Туркия Хаджи Байрам Вали университетиниң профессоры Ҳусейн Йилдирим, Мухаммед Физулий атындағы қол жазбалар институты илимий бөлиминиң бас қәнигеси, ф.и.д. Нәзәкәт Мәммәдли ҳәм Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Түркия мәмлекетлеринен келген илимпазлар қатнасты.

Атап өтилгениндей Президентимиздиң 2024-жыл 16-июльдеги “Атақлы қарақалпақ шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанлығының 200 жыллығын кең белгилеў ҳаққында”ғы арнаўлы қарары тийкарында республикамыз бойлап кең көлемли илажлар өткерилмекте. Сондай-ақ, Әжинияз Қосыбай улының бийтәкирар ҳәм мазмунлы дөретиўшилиги халқымыздың мәденияты ҳәм әдебиятын раўажландырыў, әсиресе, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм ийгиликли идеялар руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе есапланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 14:30


❗️Нөкисте айрым хожалықларда газ өшиўи мүмкин!

Нөкис қаласы гүз-қыс мәўсиминде жүз бериўи мүмкин болған хәр түрли кеўилсиз жағдайлардың алдын алыўда әсиресе,қала аймағындағы көп қабатты турақ жайлардағы ханаларда газден пайдаланыўда  жүз бериўи мүмкин болған ийис газинен зәҳәрлениў сыяқлы кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў бойынша профилактик жумыслар әмелге асырылмақта.
     
Нөкис қаласы аймағындағы көп қабатты турақ жайлардағы қолбала усылда исленген ысытыў қазанларынан пайдаланып атырған ханаданлардың мәўсимге таярлық  жағдайын үйрениў мақсетинде, қәнигелер тәрепинен үйлерге барып, үйрениўлер ўақытында бирнеше мәрте барылғанлығына, ескертпелер берилиўине қарамастан көзден өткериў мүмкинлиги болмаған ханаларды мәўсимге таяр яки таяр емеслигин көзден өткерилмегенше оларды мәўсимге таяр ҳалға келтирилмегенше ўақтынша газ тармағынан ажыратып қойылды.
      
Хүрметли пуқаралар турақ жайларыныздағы ысытыуэў қазанларының сазлығына итибар бериң. Олардан пайдаланыўдан алдын морыларын тазалатпай түрып газ үскенелеринен пайдаланбаң.
      
Ысытыў қазанларының морыларын көриктен өткериў оларды тазалатыў ушын төмендеги қәнигелерге мүраажат етиўиңиз мүмкин.

☎️ Өртке қарсы гүресиў жәмийети: 612221947

☎️ Өртке қарсы хызмет ЖШЖ: +998993185222

☎️ Қәўипсиз газ хызмети ЖШЖ: +998500078104

☎️ Нөкис қалалық газ тамийнаты бөлими: 104

☎️ Айрықша жағдайлар бөлими: 101, 1050

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 14:16


🩺 Қарақалпақстанда Мәжбүрий медициналық қамсызландырыў 2025-жыл 1-январьнан басланады

🗓 Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасы 1-октябрьден Ташкент қаласы ҳәм Сырдәря ўәлаятында, 2025-жыл 1-январьдан Қарақалпақстанда, 2026-жылдың ақырына шекем басқа аймақларда енгизилиўи режелестирилген.

Оның ушын 2024-жылдың ақырына шекем "Электрон поликлиника" ҳәм "Электрон емлеўхана" мәлимлеме системалары енгизиледи. Медицина хызметкерлери олардан пайдаланыў бойынша оқытылады. Мәкемелер зәрүр техника ҳәм тармақ қурылмалары менен тәмийинленеди.

💰 Бул системаның әҳмийети сонда, медицинада нәтийжеге тийкарланған қаржыландырыў усыллары қолланылады.

💵 Қамсызландырыў шеңберинде медициналық хызметлерди көрсетиў ҳәм дәри қуралларын усыныў мәмлекетлик бюджет есабынан әмелге асырылады, халықтан қосымша төлем өндирилмейди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 14:06


⚽️ Сиз бүгин қайсы футболды телеграм арқалы тиккелей эфирде көриўди қәлейсиз?

🇶🇦 «Қатар» ─ «Өзбекстан» 🇺🇿

🇰🇿 «Қазақстан» ─ «Австрия» 🇦🇹

🇧🇪 «Бельгия» ─ «Италия» 🇮🇹

🇫🇷 «Франция» ─ «Израиль» 🇮🇱

🇬🇷 «Греция» ─ «Англия» 🏴󠁧󠁢󠁥󠁮󠁧󠁿


Реклама

Каракалпак 24

14 Nov, 13:40


Сырдәряда пара алмақшы болған Жол патрул хызметкери қамаққа алынды

Сырдәряда айдаўшыдан пара талап еткен Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети бас инспекторы 4 жылға қамалады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 13:20


❗️Абайлы болың

Халық арасында 100.000 сўмлық жалған купюралар тарқалмақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 13:15


❗️Мета Instagram ҳәм
WhatsApp'ты жоқ қылыўы мүмкин


АҚШ Федерал саўда комиссиясы корпорацияға қарсы даўа қозғатты ҳәм Метаны усы платформаларды сатып алғаннан кейин социаллық тармақлар базарында үстинликке ерискенликте айыпламақта, деп хабар береди The Verge.

2020-жылы да комиссия Мета'ға усындай айыплаўларды қойған еди, бирақ корпорация сол ўақытта жуўапкершиликтен қутылған.

Бул арада, деректиң айтыўынша, Марк Цукерберг Трамп пенен жақынласыўға урынбақта. Жаңа президент, бириншиден, бундай ири сатып алыўларға унамлы мүнәсибетте, екиншиден, Саўда комиссиясының баслығын алмастырыўды режелестирмекте.

Мета корпорация (Facebook, Instagram) екстремистлик деп тән алынган ҳәм Россияда қадаған етилген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 13:08


🛋"MEBEL ORAYI"

😒 Мебел ҳәм уй техникаларын алыўыңыз керек, бирақ ҳәзир қарежетиңиз болмай турма?
Онда бул имканият сиз ушын;

🤩Үйиңиз ҳәм офисиңизге мебель уй техникалары, люстра, гилемлер, есик, ноутбук ҳәм телефонларды ҳеш қандай басланғыш төлемлерсиз 1 жылда бөлип төлеў шарти менен алыў ушын "Mebel Orayı" мызға мәрҳәмат!

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, А. Досназаров 8а жай. Бағдар: Прогресс мектеби

📞Телефон: (91)3821234                       

Реклама

Каракалпак 24

14 Nov, 11:18


Банкомат пластик картаны қайтарып бермей қалса не қылыў керек?

Төмендеги жағдайларда пластик карта банкоматтан шықпай қалыўы мүмкин:

ПИН-кодты қатара үш мәрте қәте тергенде;

пластик картаның мүддети питкен болса ямаса блокқа түскен болса;

пластик карта (оның чипи) механикалық зыянланған (қырылған, қыйсайған) болса;

банкоматта керекли әмелди орынлап болғаннан соң карта өз ўақтында қайтарып алынбаса (банкоматтан шыққан картаны бир неше секунд ишинде алмасаңыз, ол картаны және тартып кетеди);

банкомат бузылған болса.

Бундай жағдайда не қылыў керек?

1️⃣ Әмелге асырылып атырған операцияны бийкар етиўге ҳәрекет етип көриң:
“Отмена” (Бийкарлаў) түймесир басып, азырақ күтиң. Усы ўақыттың ишинде банкомат техникалық қәтени өзи дурыслаўы мүмкин.

2️⃣ Егер банкомат картаны шығармаса, ол қай жерде жайласқанына қарап ҳәрекет етиң.

⏺️ Егер банкомат банктен узақта жайласқан болса, сол банкке қоңыраў етип, карта шықпай қалғанын, картының номерин ҳәм соралған басқа мағлыўматларды айтың (банк телефон номерлери, мәнзили банкоматта жазылады).

⏺️ Егер банкомат банктың ишинде (қасында) жайласқан болса, банктың хызметкерлерине хабарласың.

💡 Банк хызметкери сизге қай жерге ҳәм қандай ҳүжжетлер менен хабарласыў кереклигин түсиндиреди.

Хызмет көрсетиўши банк, жағдайды үйренип көрип, пластик картаны бир күн ишинде қайтарып береди ямаса пластик карта зыянланған (мүддети өткен) болса, таза карта бериўдиң илажын көреди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 10:31


Ҳүрметли ўатанласлар!

Усы жылдыӊ 14-ноябрь күни саат 18:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  қарақалпақ халқыныӊ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығына бағышланған «Әжинияз» операсы болып өтеди.

Барлық театр ықласбентлерин тарийхый операны тамашалаўға мирәт етемиз!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 10:20


❗️Қарақалпақстанның 3 аймағында 339 млн сўмлық энергия ресурслары нызамсыз пайдаланылған

Анықланыўынша, Нөкис қаласында искерлик жургизиўши “P.F.” ЖШЖ шахслары бақшада мәмлекет стандартларына жуўап бермейтуғын жарамсыз газ есаплаў үскенесин орнатып, 200 млн сўмлық тәбийий газден нызамға қарсы пайдаланып келген.

Төрткүл районы ЭТК инженери Т.И. исбилермен Н.Т.ның саўда дүканына жаңа электр есаплағыш үскенесин орнатып, есаплағыш орнатылғанлығы ҳаққында жасалма акт дүзип, Н.Т.ға жәми 69 млн сўмлық электр энергиясынан нызамға қылап түрде пайдаланыўға шараят жаратып берген.

Қараөзек районында болса “Р.С.” ҳәм “В.М.” ЖШЖ шахслары электр суў насосларын улыўма пайдаланыўдағы тармаққа өз басымшалық пенен улап, 70 млн сўмлық электр энергиясынан нызамға қарсы пайдаланған.

Ҳәзирде бул жағдайлар бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

14 Nov, 10:15


⚡️⚡️⚡️Náwbettegi eksklyuziv sherigimiz bolǵan Medical Centre kóp tarmaqlı klinikamız imkániyatları menen tanısıp ótiń.

Oqıwǵa imtihansız qabıllaw dawam etpekte

Jónelislerimiz:
Feldsherlik - 3 jıl
Miyirbekelik isi -3 jıl
Patronaj miyirbekesi -2 jıl
Farmatsiya -3 jıl

Házir bizge qońıraw etiń hám imtihansız student bolıń !

Call center:
☎️ +998992089373
☎️ +998910973611
☎️ +998910983611

👉 @Nukus_Med_Texnikumi

Реклама

Каракалпак 24

13 Nov, 15:50


Кредитке кепил болған шахслар кепилликти бийкарласа болама?

Көпшилик ойлайды, кредитке кепиллик шәртнамасын дүзгеннен кейин, оны бийкарлаў мүмкин ҳәм аңсат. Бирақ тийкарында бундай емес. Кепиллик қарыздар мәжбүриятлары бойынша кепилде де мәжбүрият жүзеге келтиреди.

Нызамшылыққа көре шәртнаманы бир тәреплеме бийкар қылыў, яғный кепилликтен бир тәреплеме ўаз кешиўге жол қойылмайды. Мәселен, кепил шәртнама дүзгеннен кейин жумысынан айрылса, кесел болып қалса, қарыздар (кредит алған танысы) менен урысып қалсада кепиллик өз күшинде қала береди.

Кепиллик шәртнамасын өзгертириў яки бийкар қылыў ушын банк пенен келисиў керек болады, банк болса ҳешқашан өз тәмийнаты зиянына ҳәрекет қылмайды. Кепиллик қашан кредит қарызы толық төленгенде, қарыз мәжбүрияты басқа шахсқа өткизилгенде яки кепиллик мүддети өтип болғаннан кейин тамамланады. Және бир жолы кепилликти алмастырыўды сорап банкке мүрәжат қылыў, егер тәреплер келисе алса кепилди басқа сондай шахсқа алмастырыў мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 14:56


Ийс-гәзинен зәҳәрленип атырғанымызды қалайынша билемиз?

Ис-гәзи жаныўшы материяның (көмир, тәбиий гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.

Төмендеги жағдайлар ис-гәзиниң пайда болып атырғанынан дерек береди:

Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы;

Тәбиий гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек);

Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы;

Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы ис-гәзинен зәҳәрленип атырғаннан дерек береди.

Ис-гәзинен зәҳәрлениў инсан ден-саўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшиликке алып келеди.

Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 14:31


Нызамшылықта жасларға берилген айырым жеңилликлер

▫️Мүддетли әскерий хызметти өтеген ҳәм контракт бойынша оқып атырған жәмийетлик белсенди студентлерге контракт суммасының 35 проценти төлеп бериледи.

▫️Контракт тийкарында оқып атырған студентлерге тәлим кредити бериледи.

▫️«Жаслар дәптери»не киргизилгенлердиң имканияты шекленген шаңарақ ағзаларына дәри-дәрмақ, майыплық арбашалары, еситиў аппаратлары ҳәм ортопедикалық өнимлер сатып алыўы ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 650 мың сум) муғдарында жәрдем көрсетиледи.

▫️Майыплығы болған жасларға оқыў, жасаў ҳәм трансторт қәрежетлерин қаплаў ушын БЕМның 50 есесине шекемги (16 млн 500 мың сум) муғдарда субсидия ажыратылады.

▫️Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириўде ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Президент гранты енгизилген.

▫️Мәҳәлледеги жаслар жетекшилери усынысы тийкарында 13 түрдеги жәрдем бериледи.

▫️Айырым жаслар ЖООна оқыўға қабыл етиўде тест сынаўларында қатнасыў ушын өндирилетуғын төлемлерден азат етиледи.

▫️«Өтмишке саяхат» бағдарламасы шеңберинде «Жаслар дәптери»не киргизилгенлер мәмлекетлик музейлерге бийпул киргизиледи.

▫️Сырт елдеги жас ўатанласларымыздың министрлик, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 14:20


Сырт елде жумыс ислеп жүргенлердиң шаңарақ ағзаларына қандай жәрдемлер бериледи?

Президенттиң 2022-жыл 1-марттағы Пәрманына муўапық, ҳәр жылы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы қаржылары есабынан:

бағыўшысы сырт елге жумыс ислеўге кеткен кем тәмийинленген шаңарақларға БЕМның 2 есеси (660 мың сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи;

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген, майыплығы болған шаңарақ ағзаларына дәрилер, майыплық арбалары, еситиў аппаратларын ҳәм ортопедиялық өнимлерди сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 650 мын сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың Өзбекстанда олар менен бирге жасаўшы пенсия жасына жеткен ямаса I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына тийисли санаторий ҳәм профилактикалық емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жоллама бериў;

кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың балаларына лагерлерге бийпул жолламалар бериў.

Бул материаллық жәрдемлер ҳәм емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жолламаларды алыў ушын усыныслар – ҳәким жәрдемшиси тәрепинен, ал лагерлерге жоллама алыў ушын усыныслар – жаслар жетекшиси тәрепинен бериледи.

Бул материаллық жәрдемлерди ҳәм жолламаларды алыўға арза бериў ушын төмендеги шәртлер белгиленген:

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралар «Labor migration» бағдарламалық комплексинде дизимнен өткен болыўы;

арзаларды Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлигине «Labor migration» бағдарламалық комплекси арқалы электрон түрде бериў керек.

Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлиги арзаларды 5 күн ишинде қарап шығып, жәрдем алыўшы пуқаралардың дизимин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына береди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 14:10


NUKUSDA HINDISTONLIK NEFROLOG VA PEDIATR (ortoped) KONSULTATSIYALARI

16-noyabr kuni Nukusdagi Grand Med Servis klinikasida Hindistonning BUYRAK va BOLALAR KASALLIKLARI (pediatriya), hamda BOLALAR va KATTALARDAGI ORTOPEDIK KASALLIKLAR bo'yicha eng ilg'or va peshqadam klinikasi bo'lgan Apollo Hospitals klinikasining eng tajribali shifokorlarning konsultatsiyalari bo'lib o'tadi.

Manzil: Grand Med Servis klinikasi, Nukus sh., Tan Nuri, 175. Mo'ljal: ResGaz, Jumanji

☎️ 90 830-21-23, 90 830-21-24

Instagram | Facebook | Telegram

Реклама

Каракалпак 24

13 Nov, 13:40


⚡️Төмендеги категориядағы студентлер үстемлик тийкарында студентлер турақ-жайларына қабыл етиледи

“Меҳрибанлық үйлери” тәрбияланыўшылары, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған студентлер;

“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”, “Темир дәптер” ҳәм “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлери ҳәмде «Жаслар дәптери»нде туратуғын студентлер;

I ҳәм II топар майыплығы болған студентлер;

Бир шаңарақтан бакалавриат басқышы күндизги тәлим формасында еки ҳәм оннан да көп төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақлар перзентлери;

халық аралық пән олимпиядалары, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен өткерилетуғын республика пән олимпиядаларында жеңимпазлықты қолға киргизген студентлер;

“Жыл студенти” ҳәм “Студентлер театр студиялары” көргизбели таңлаўларының республика басқышы жеңимпазы болған студентлер;

жоқары оқыў орынлары студентлери арасында өткерилген “Zakovat” интелектуал ойынының республика басқышында жеңимпазлықты қолға киргизген студентлер;

студентлер турақ жайында студентлер кеңеси баслығы, қабат сәрдары болған студентлер.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 13:29


❗️Хабарландырыў!

Нөкис қаласы, АТС-222 линия кабель хожалығына қараслы МСАН қурылмасынан шығыўшы ТПП маркалы кабельлериндеги келип шыққан насазлықларды авариялық оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы ҳәм де көрсетилип атырған телекоммуникация хызметлериниң сапасын жақсылаў мақсетинде оңлаў жумыслары алып барылады.

Оңлаў жумысларының ўақыты:
2024-жыл 13-ноябрьден 16- ноябрь аралығы

Оңлаў жумыслары алып барылатуғын ўақытта телекоммуникация хызметлери сапасы төменлейтуғын ҳәм үзилислер болыўы мүмкин болған аймақлар:
А.Досназаров көшеси №18, 80, 85, 85А ҳәм 87 көп қабатлы үйлер, Қарақалпақстан Республикасы кәмбағаллықты қысқарттырыў ҳәм бәнтлик министрлиги.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 13:20


❗️Перзентиңиздиң сүўретлерин Интернетке жайластырмаң!

Батыс қәнигелериниң пикиринше, “шерентинг” ҳәдийсеси, яғный ата-аналар өзлериниң перзентлериниң сүўретлерин ҳәм видеоларын Интернетке тез-тезден жайластырып барыўы балаларға үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин.

▫️Бириншиден, оның қәўипли тәреплериниң бири балалардың фото яки видеолары келешекте олардың өзлерине қарсы қолланылыўы мүмкин.

Мысал ушын, перзентиңиз үлкейип сиясий лаўазымларға көтерилгенде оның күлкили фотолары яки видеолары күтилмегенде социаллық тармақларда пайда болып қалыўы мүмкин.

▫️Екиншиден, перзентлериңиздиң бахытлы ҳәм қуўанышлы демлери түсирилген сүўретдер жынаятшылардың итибарын тартыўы мүмкин.

▫️Үшиншиден, перзентлериңиздиң сүўретлери “урланып” жаман нийетли адамлар (педофиллар) ушын арналған каналларға жайластырылыўы мүмкин, бул болса оларды сондай адамлардың потенциал “жәбирлениўшисине” айландырыўы мүмкин.

▫️Төртиншиден, перзентлериңиз ҳаққындағы қосымша жеке мағлыўматлар алдаўшылар ушын жақсы “дузақ” ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.

▫️Бесиншиден, бала балалығынан басқалардың итибарын қаратыў ушын сүўретке түсип үйренсе, келешекте ол бәрқулла басқалардың итибары ҳәм тән алыўына мүтәж болып өседи.

☝️Соны ядыңызда сақлаң, ҳәттеки жеке аккаунт (профил) де толық қәўипсиз емес, оны да бузып кириўге болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 13:10


"OMAD SHOU" tele-musobaqasining 312-sonidan mahsus lavha‼️

10 ta "DAMAS" yo'lagi hech kim yutib ololmagani uchun 313-sonida 13 ta "Damas" qilib qoyiladi‼️

13 ta "Damas" kimga nasib qilarkin🤔

Jesco va Else tea mahsulotlaridan har kuni 1 donadan harid qilib 5400 qisqa raqamiga 2 dona bo'lsa ham kod yuborib 13 ta "Damas" yutib olishingiz mumkinligini unutmang‼️

Chunki 2 dona promo kod yuborib ham Random dasturi orqali g'olib aniqlaganda "OMAD SHOU"da ishtirokchi aylanishingiz mumkin‼️

Omad shou rasmiy ilovasi‼️👇
Android uchun

Реклама

Каракалпак 24

13 Nov, 13:00


❗️Мектеп оқыўшылары қыс ўақтында мектеп формасын өзгертиўи мүмкин

Нызамшылыққа бола, ҳаўа-райы шараятынан келип шығып, оқыўшылар мектеп формасының жеңсизин ямаса костюмин, көйлектиң жеңи узын ямаса келте түрин ықтыярлы түрде кийиўи мүмкин.

Сондай-ақ, қысқы оқыў дәўиринде оқыўшы қызларға бирден-бир мектеп формасына сәйкес шалбар кийиўге рухсат бериледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 12:50


❗️Ўақыя Хожели районындағы тойханалардың биринде болғаны айтылмақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 12:41


1+1= БИЙПУЛ 🎁
АКЦИЯМЫЗГА СТАРТ БЕРЕМИЗ!

🎊🎊🎊🎉🎉🎉🥳🥳🥳

@timkim_women магазинимизден  пальто сатып алың ҳәмде  КУРТКА, БЕЗРУКАВКА ЯМАСА КАРДИГАН БИЙПУЛ САЎҒАҒА АЛЫҢ 🎁🎁🎁🎁🤩🤩🤩🤩

ПАЛЬТОЛАРЫМЫЗ ТУРКИЯНЫН MODALINEA, ELIT, LASAGRADA ХАМДЕ БАСКА ФИРМАЛАРЫНАН БОЛЫП БИЗЛЕРДЕ ЕН АРЗАН БАХАДА ТАБА АЛАСЫЗ🤗🤗🤗🤗

@timkim_women КОММАНДАСЫ  СИЗ КАДИРЛИ ХАЛКЫМЫЗДЫ РАЗЫ КЫЛЫУДАН  ШАРШАМАЙМЫЗ🥰🥰🥰

БАРИНИЗДИ МАГАЗИНИМИЗДЕ КУТИП КАЛАМЫЗ♥️♥️♥️♥️

——————————————————
📍АДРЕСИМИЗ: Нокис каласы, Т.Кайыпбергенов (бурынгы Ш.Рашидов) кошеси, БАМБИНО балалар кийими магазини касында, Ориентир: Орайлык базар!

Тел: 973535777

Реклама

Каракалпак 24

13 Nov, 10:10


"Әжинияз" көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтеди

Қарақалпақ халқының классик шайыры, уллы ойшыл Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигин суўретлеўши "Қарақалпақфильм" киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған "Әжинияз" көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтеди.

Фильм премьерасы 16-ноябрь күни саат 18.00 де Қарақалпақстан көркем өнер сарайында өткериледи.

Премьераға кириў бийпул!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 09:43


Бозатаў районында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўши жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 17-июль күнги арнаўлы қарарына муўапық Бозатаў районында жойбар баҳасы 2616,5 млн.сўм қаржылар есабынан «Еркиндәря» МПЖ аймағына суў комплексин ҳәм 0,4 км ишимлик суў тармақларын қурыў жумыслары «АРАЛМЕХАНИЗАЦИЯ» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылды.

Буның нәтийжесинде аймақтағы 210 хожалық 946 пуқараның ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды.

«Қарақалпақ суў тәмийнаты» АЖ мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 08:31


☎️ Министрликлердиң исеним телефон номерлери:

▪️Ишки ислер министрлиги 1102
▪️Қурылыс министрлиги 1298
▪️Аўыл хожалығы министрлиги 1243
▪️Айрықша жағдайлар министрлиги 1101
▪️Денсаўлықты сақлаў министрлиги 1003
▪️Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги 1006
▪️Экономика ҳәм финанс министрлиги 01115
▪️Транспорт министрлиги 1167
▪️Әдиллик министрлиги 1008
▪️Санлы технологиялар министрлиги 1199

▪️Мәденият министрлиги
+99855 502-33-75
▪️Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги
+99871 256-52-90
▪️Инвестициялар, саўда-санаат министрлиги
+99871 238-50-05
▪️Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги
+99871 202-09-09
▪️Экология министрлиги
+99871 207-11-07
▪️Бәнтлик министрлиги
+99871 203-01-41
▪️Суў хожалығы министрлиги
+99871 202-47-00
▪️Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги
+99871 239-24-52
▪️Сыртқы ислер министрлиги
+99871 233-28-28
▪️Энергетика министрлиги
+99871 231-81-18
▪️Қорғаныў министрлиги
+99871 269-81-72

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 08:19


Контракт төлеў мүддети 1-декабрге шекем созылды

Төмендеги бакалавр ҳәм магистратура студентлери ушын төлемлерди әмелге асырыў созылды:

базалық ямаса еселенген төлемли-контракт тийкарында оқыў тилегин билдирген абитуриентлер (1-басқыш);

қарақалпақстанлы жаслар ушын ажыратылган қосымша қабыллаў квоталарына студентликке усыныс етилген абитуриентлер (1-басқыш);

оқыўы көширилген (көширип тикленген) студентлер.

❗️Еслетпе: әмелдеги тәртипке бола, екинши ҳәм оннан жоқары басқыш студентлериниң контрактын төлеў мүддети ЖОО басшысы тәрепинен создырылыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 08:01


⚡️⚡️⚡️Имтиҳансыз студент болың !

Нөкис медицина ҳәм ИТ техникумында 2024-2025-оқыў жылына қабыллаў даўам етпекте !

Жөнелислер:
Мийирбекелик иси - 3 жыл
Мийирбекелик иси -2 жыл
Фелдшер - 3 жыл
Фармация - 3 жыл

Ҳәзирақ бизге мүрәжаат етиң ҳәм имтиҳансыз студент болың

Мәмлекетлик диплом
Жумыс бериўши компаниялар менен эксклюзив шәртнама
Қосымша бийпул курслар

📄 Litsenziya (№058513, 14.01.2023-jıl)

☎️ Колл центр:
☎️ +998910963611
☎️ +998910973611
☎️ +998910983611
☎️ +998992089373

👉 @nukus_med_texnikumi

Реклама

Каракалпак 24

13 Nov, 07:40


❗️Зулфия атындағы Мəмлекетлик сыйлығы талабанларын таңлаў тəртиби белгиленди

Ҳүкимет Қарары (731-санлы, 01.11.2024 ж.) менен Зулфия атындағы Мəмлекетлик сыйлығына талабанларды таңлаў ҳəм олардың ҳүжжетлерин усыныў тəртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды

Оған көре, Зулфия атындағы Мəмлекетлик сыйлығы талабанларын таңлаў, олардың ҳүжжетлерин рəсмийлестириў ҳəм усыныў тəртиби ҳəм де жөнелислер бойынша талабанлардың жетискенликлери, илимий-дөретиўшилик ҳəм əмелий жумысларын баҳалаў критериялары белгиленди.

Талабанлар 8 жөнелис - пəн, билимлендириў, əдебият, мəденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳəм жəмийетшилик искерлиги бойынша таңлаўлар арқалы сайлап алынады.

Сыйлық социаллық белсендилиги ҳəм қәбилети менен теңлеслерине үлги болып киятырған 14 жасқа толған ҳəм 30 жастан аспаған инталы ҳаял-қызларға оқыў ҳəм мийнет искерлигиндеги жетискенликлери ушын бериледи.

Жөнелислер бойынша ҳəр бир орынға мүнəсип талабанларды таңлаў төмендеги басқышларда əмелге асырылады:

район (қала) басқышы – 2-сентябрьден 20-октябрьге шекем;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳəм Ташкент қала басқышы - 21-октябрьден 30-ноябрьге шекем;
республика басқышы – 1-декабрьден 31-декабрьге шекем өткериледи.

🥇Сыйлық ҳəр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳəм Ташкент қаласының екеўден ўәкиллерине - жəми 28 талабанға бериледи.

Жеңимпазларға сыйлықланғанлық ҳаққындағы диплом, көкирек нышаны ҳəм де БЕМның 50 есеси муғдарындағы пул сыйлығы ҳəр жылы 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни шеңберинде салтанатлы түрде тапсырылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 07:28


Билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламасына оқ атыў қуралларының тактик-техникалық әмелий шынығыўлары киргизиледи

2025-2026-оқыў жылынан баслап улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде:

шақырыўға шекемги басланғыш таярлық пәни оқыў бағдарламалары шеңберинде "Оқ атыўшы ҳәм пневматик спорт қуралларының тактикалық-техникалық сыпатламалары" әмелий шынығыўлары киргизиледи;

әмелий шынығыўларды шөлкемлестириўде әскерий бөлим, мәкемелер, әскерий полигонлардың оқыў-материаллық базасынан пайдаланылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

13 Nov, 07:20


Турақ жай, квартира сатып алыў ушын субсидия бериў тәртиби өзгерди

ипотека кредитлери бойынша басланғыш төлем ҳәм процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў ушын субсидияларды төлеўдиң автоматластырылған системасы енгизиледи;

ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеп берилетуғын пуқараларды таңлап алыў нормальары жетилистириледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 19:32


❗️Жәрийма төленбесе жәрийма майданшасынан автотранспорт қуралын алып шығыўға бола ма?

Толық мағлыўматты видеода

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 18:59


Өзбекстанда жасалма интеллект ҳәм ири мағлыўматлар технологиялары ислеп шығылады

Бүгин UZTELECOM делегациясы “Huawei” штаб-квартирасында ушырасыў өткерди. Онда тәреплер Өзбекстанда 5G технологиялары, жасалма интеллект ҳәм ири мағлыўматлардан пайдаланыў тараўындағы келешектеги бирге ислесиўди додалады.

Компанияның мәмлекетимиздеги ўәкилханасы мәлимлеме хызметине бола, ушырасыў даўамында Миллий байланыс операторы ўәкиллери Өзбекстанда алдынғы технологияларды енгизиў мақсетинде МКТ тараўындағы инновациялар менен танысты.

Усыған бола, мәмлекеттиң МКТ инфраструктурасын беккемлеў, атап айтқанда, «ақыллы» қалалар ҳәм «ақыллы» турақ жайлар концепцияларын енгизиў сыяқлы тараўларда жасалма интеллект ҳәм үлкен мағлыўматлар технологияларынан пайдаланған ҳалда 5G ҳәм 5.5G тармақларын енгизиў имканиятлары ҳәм алдынғы тәжирийбелер үйренилди.

Жасалма интеллект ҳәм үлкен мағлыўматлардан пайдаланыў Өзбекстанда санластырыў процесин тезлестириўге жәрдем береди. Жәмийетлик турмыстың сапасы ҳәм күнделикли жумыс процесслерине интеллектуаллықты енгизиў имканиятын жаратады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 17:04


ЖАСЛАР ДӘПТЕРИНЕ КИМЛЕР КИРГИЗИЛЕДИ? #

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 16:01


1 Bitcoin баҳасы 1 миллиард сумнан асып кетти

1 миллиард сумға Өзбекстанда нелер сатып алыў мүмкин?

— Ҳәр бири 5 мың сумнан 200 мың дана нан;
— 100 мың сумнан 10 мың кг гөш;
— 20 мыңнан 50 мың литр май;
— 2562 дана iPhone 16 Pro Max;
— Ҳәр бири 145 миллион сумнан 6 Chevrolet Cobalt.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 15:34


Айдаўшылардың жүк автомобиллеринде жолдың шетки шеп тәрепинде ҳəрекетлениўи (буннан рухсат етилген ҳаллар тысқары), жөнелисли транспорт қураллары тоқтайтуғын бəндиргилерден ямаса пиядалар өтиў орынларынан жүриўи БЕМның 1/2 бөлеги муғдарында жəрийма салыўға себеп болады.

Хәкимшилик жуўапкершиликке тартылған шахс бул ҳуқықбузарлықты тəкирар әмелге асырса:
БЕМның 1 есеси муғдарында жəрийма салыўға себеп болады.

Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 14:50


Илимпазлар АҚШты апатлар ҳаққында ескертти

Изертлеўшилердиң мағлыўматларына бола, жақын жылларда АҚШ 30 метрлик цунами ҳәм 9 магнитудалы жер силкиниўге дус келиўи мүмкин. Сейсмологлардың пикиринше, бир неше штатлар апашылыққа ушыраўы, болжаўлар тастыйықланса, Америка экономикасы триллионлап доллар жоғалтыўы мүмкин.

Арқа Америка жағаларына қәўип салып атырган апашылық Канада қубласынан Калифорния арқасына шекемги аймақларды қамтып алыў қәўипи бар.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 14:39


Өзбекстанда ең көп санлы кәрханалар қайсы ҒМДА мәмлекетиниң инвестициялары жәрдеминде дүзилген?

Статистика агентлигиниң хабарына бола, Өзбекстан аймағында ең көп санлы кәрханалар Россия бизнеси қатнасыўында шөлкемлестирилген — 3 мыңнан аслам. Екинши орында — Қазақстан 1086.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 14:25


❗️Шахстың абыройы ҳәм ар-намысын кемситиўши мағлыўматларды Интернетке тарқатқан пуқараға 136 млн сумға шекем жәрыйма салынады

Жынаят кодексиниң 140-статьясына көре, шахстың абыройы ҳәм ар-намысын қастан кемситиўши мағлыўматлар баспадан, ғалаба хабар қуралларында ямаса Интернетте тарқатылса, бул шахс жынайый жуўапкершиликке тартылып, оған төмендеги жазалардан бири қолланылады:

БЕМның 200 есесинен (68 млн сумнан) 400 есесине (136 млн сумға) шекемги муғдарда жәрийма;
240 сааттан 300 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар;
1 жылдан 2 жылға шекем тәртип дүзетиў жумыслары жазасы.


👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 14:17


❗️Президент пәрманына бола, 2025-жыл 1-январдан баслап:

Мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелеринде ана тили ҳәм әдебият және тарийх пәнлери бойынша Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған ҳәм усы пәнлерден сабақ беретуғын педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төлениўи белгиленген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 14:05


🍇🍇🍇🍇  УРА, на Uzum Market началась Главная распродажа года 🔥

Каждый день новые товары с невероятными скидками и выгода до 80% на все категории товаров.

Заглядывайте в раздел «Скидки дня» — там ждут ограниченные предложения, которые действуют только 24 часа и обновляются каждый день с 11 по 18 ноября.

➡️За покупками⬅️

Успейте сделать заказ! 💜

Реклама

Каракалпак 24

11 Nov, 14:03


❗️Ҳүрметли пуқаралар!

Телеграмдағы ҳәр түрли топар ҳәм каналларда «Бала пулына арза тапсырып беремиз» деген мазмундағы пуллы хызметлерге алданып қалмаң.

Егер кимде-ким балалар напақасы яки материаллық жәрдемге арза бермекши болса, мәҳәлледеги социаллық хызметкер яки «Инсан» социаллық хызметлер орайларына мүрәжат қылыўыңыз мүмкин. Сондай-ақ бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталы my.gov.uz арқалы да әмелге асырсаңыз болады.

❗️ Еслетип өтемиз, балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемге арза тапсырыў бийпул.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 13:50


❗️Ертең Кегейли, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районында гaз өшеди

«Нөкис-Шымбай» магистрал газ тармағында «Ургенчтрансгаз» кәрханасы тәрепинен авариялык оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 12-ноябрь күни саат 16:00 ден 18:00 ге шекем Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларындағы барлық түрдеги тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

“Hududgaz Qaraqalpaqstan” ГТФ Мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 13:42


Uzum fintech va e-commerce xizmatlari sinergiyasini kuchaytirmoqda

Uzum Tezkor foydalanuvchilari buyurtmalarni Uzum kartasi orqali chegirma bilan to‘lashlari mumkin. Fintech va e-commerce xizmatlarining uyg‘unligi har doim Uzumning o‘ziga xos xususiyati bo‘lib kelgan — u ekotizim ichida noyob foydalanuvchi tajribasini yaratadi va umuman bozordagi vaziyatni o‘zgartirish uchun yana bir omiliga aylanadi.

Uzum karta egalari yil oxirigacha ilovada yoki Uzum Tezkor saytida karta bilan buyurtmalarni to‘lagan holda 20% chegirma olishlari mumkin (va 11.11 savdo davrida esa xizmatda birinchi buyurtmani rasmiylashtirishda — 50%). Yaqin orada Uzum Market marketpleysida buyurtmalarni rasmiylashtirishda ham chegirma mavjud bo‘ladi.

Batafsil

Реклама

Каракалпак 24

11 Nov, 09:55


❗️️️Қазақстанлылар ески ўақыт зонасын қайтарыўды талап етпекте

Қазақстан усы жылы март айынан баслап UTC +5 ўақыт зонасы стандартына өткени ҳаққында хабар берген едик. Буган шекем Қазақстанда UTC +5 ҳәм UTC +6 бар еди.

Қазақстанлылар бул ўақыт зонасына бейимлесе алмай ески ўақыт зонасын қайтарыўды талап етпекте. Әсиресе, шығыс Қазақстан халқы күн азанғы саат 3 ден басланып, түстен бир ярым саат өткеннен кейин түн болыўынан оғада наразы.

Бирақ Қазақстан рәсмийлери пуқаралардың денсаўлығына унамсыз тәсир көрсетиўи ҳаққында мағлыўматлар жоқ екенлиги себепли буннан бас тартпақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 09:45


❗️Еслетпе

Өзбекстанда 2024-жыл 1-декабрден баслап ишимлик ҳәм ақаба суў хызметлери ушын төлемлер тек ғана электрон тәризде қабыл етиледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 09:40


🛋"MEBEL ORAYI"

😒 Мебел ҳәм уй техникаларын алыўыңыз керек, бирақ ҳәзир қарежетиңиз болмай турма?
Онда бул имканият сиз ушын;

🤩Үйиңиз ҳәм офисиңизге мебель уй техникалары, люстра, гилемлер, есик, ноутбук ҳәм телефонларды ҳеш қандай басланғыш төлемлерсиз 1 жылда бөлип төлеў шарти менен алыў ушын "Mebel Orayı" мызға мәрҳәмат!

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, А. Досназаров 8а жай. Бағдар: Прогресс мектеби

📞Телефон: (91)3821234                       

Реклама

Каракалпак 24

11 Nov, 09:24


Мине не ушын адамлар жыллап нәўбетте турып Cobalt алады? 😁

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 07:55


Денсаўлықты сақлаў министрлиги пуқаралардан медицина тараўындағы коррупциялық жағдайлар бойынша хабар бериўди сорады

"Егер денсаўлықты сақлаў системасында коррупция менен байланыслы жағдайларға дус келсеңиз, 71 241-10-65 ямаса 1203 қысқа исеним телефонына қоңыраўыңыз мүмкин," делинеди хабарда.

Буннан тысқары, пуқаралар өз мүрәжатларын Телеграм боты, 1003 қысқа санлы Цалл-орай ҳәм [email protected] электрон почта мәнзили арқалы да жибериўи мүмкин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги пуқаралардың ҳеш бир мүрәжаты итибардан шетте қалмайтуғыны ҳәм мағлыўматлардың сыр сақланыўын кепиллейтуғынын билдирди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 06:31


✈️ Нөкистен Мойнаққа авиарейслер қашан жүреди?

Дүйшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

Жума:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35 

Екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

Билетлерди +998938439291 байланыс номердеги касса арқалы алсаңыз болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

11 Nov, 06:18


11-ноябрь — Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни

Кәсиплик аўқамы — пуқаралардың мийнет искерлиги ямаса оқыў түри бойынша улыўма мәплерди байланыстырып туратуғын ықтыярлы жәмиетлик бирлеспе есапланады.

Кәсиплик аўқамларының мақсети — өз ағзаларының мийнет ҳәм басқа да социаллық-экономикалық ҳуқықлары менен мәплерин жақлаў ҳәм қорғаўдан ибарат.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 16:01


«Әжинияз» көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтеди

«Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтеди.

Фильм премьерасы 16-ноябрь күни саат 18:00де Қарақалпақстан көркем өнер сарайында өткериледи.

Халқымыз тәрепинен көптен күтилген бул фильмниң премьерасына кириў бийпул!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 15:31


💰 Ата-ана қарамағынан айырылған балаларға 50 процент көбирек стипендия бериледи

📃 Нызамшылыққа муўапық, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәмлекетлик бақшалар ҳәм мектеплерге нәўбетке қойылмастан жайластырылады.

📚 Оларға техникум, колледж, академиялық лицей яки ЖООда оқып атырғанда ҳәр оқыў жылында 1 мәрте оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар (китаплар) сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси муғдарында субсидия бериледи.

☑️ Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар оқыўды мәмлекетлик ЖООларда даўам еттиргенде оларға стипендия 50 процентке көбейтилген ҳалда төленеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 12:20


2024-жыл 1-ноябрден баслап:

Нызамшылыққа көре, “Кәмбағаллықтан пəраўанлыққа қарай” бағдарламасы төмендегилерди нəзерде тутыўшы “Кәмбағал шаңарақлар ушын жети имканият ҳəм жуўапкершилик” принципи тийкарында əмелге асырылады:

🔹турақлы бəнтлик ҳəм жоқары дəрамат табыўға ерисиў;

🔹билим алыў ҳəм кəсип-өнер үйрениў;

🔹кепилленген мəмлекетлик медициналық хызметинен пайдаланыў;

🔹социаллық хызметлерден пайдаланыў;

🔹жасаў шараятларын жақсылаў;

🔹мәмлекет тəрепинен мəҳәллелер инфрадүзилмесин раўажландырыў;

🔹мәмлекетлик уйымлар хызметкерлери менен туўрыдан-туўры сәўбетлесиў.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 12:10


❗️Қарақалпақстанда электр энергиясына нызамсыз жалғанған шахслар анықланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 12:00


Диккат бизда янгилик!!!

Хоразм вилояти Ургенч шахрида жойлашган!

ИДЕАЛ ФАЙЗ ШИФО КЛИНИКАМИЗДА

КУЙИДАГИ ЙУНАЛИШЛАР БУЙИЧА НАВБАТДАГИ БИР ОЙЛИК БЕПУЛ КОНСУЛЬТАЦИЯ АКЦИЯСИ ЙУЛГА КУЙИЛДИ:


Nevropotolg СОАТ (09:00 Dan 17:00 gacha)
Neyroxirug СОАТ(09:00 Dan 14:00 gacha)
Ginekolog СОАТ(09:00 Dan 14:00 gacha)
Kardiolog СОАТ(09:00 Dan 13:00 gacha)
Pediatr СОАТ(13:00 Dan 17:00 gacha)

Undan tashqari СОАТ 10:00 Dan 15:00 gacha
1.Plastik jarrox
2.ummumiy jarrox
3.mammolog
4 proktolog


Мархамат кутиб коламиз бундай имкониятдан фойдаланиб колинг!

Телефон ракамимиз:
956060072

Реклама

Каракалпак 24

10 Nov, 10:25


Исбилерменнен артықша ҳүжжет сораған мәмлекетлик уйымлар жуўапкершиликке тартылады

Исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын және де қолайлы шараятлар жаратылады.

Атап өтилгениндей, кеше, 21-октябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-979-санлы, 21.10.2024-жыл) менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгери киргизилген.

Нызамға бола, исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға берилетуғын есабат ҳәм статистика мағлыўматларының бирден-бир дизимине киргизилмеген статистика, қаржы, салық есабатын ҳәм басқа есабатты сондай-ақ нызамшылықта нәзерде тутылмаған басқа да ҳүжжетлерди, соның ишинде, банк есап бетин ашыўда артықша ҳүжжетлерди исбилерменлик субъектлеринен талап еткенлиги, сондай-ақ, усы бирден-бир дизимге киргизилген есабатты бериўдиң белгиленген мүддетлери ҳәм тәртибине қарсы түрде талап етип алғанлығы ушын жуўапкершилик белгилениўин нәзерде тутыўшы өзгерис киргизилмекте.

Нызам рәсмий жәрияланған күнден баслап күшке енгизиледи,-бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналында хабар берилди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 08:20


🚮 Шығындынан қарызы барлар бирден электрден үзип қойылмайды. Негизи гәп неде?

Тармақларда “Таза Мәкан -биллинг” программалық комплекси иске түсирилиўи мүнәсибети менен 31-октябрьден 5-ноябрьге шекем шығынды ушын барлық түрдеги төлемлерди әмелге асырыў мүмкиншилиги болмаўы, нәтийжеде электр энергиясы да өширилиўи ҳаққында хабарлар тарқалған.

“Аймақлық электр тармақлары” АЖ хабар бериўинше, бул хабарлар ҳақыйқатқа туўры келмейди. Шығындынан қарызы бар екенлиги ушын электрден өшириў тәртиби жоқ.

Бирақ Президент пәрманына тийкар, сал басқаша тәртип енгизиледи. Яғный кимниңдур шығындынан қарызы болса, электр ушын төлем әмелге асыра алмайды.

Бирақ бул шығындынан қарызы барлығы ушын туўрыдан-туўры "свети" өшириледи, дегени емес. Мысалы, сизиң электр есап бетиңизде 500 мың сом пул алдыннан болса, ҳәм сиз шығындынан қарыздар болып қалдыңыз. Бирақ бул қарызды төлемей атырсыз. Сонда сиз электр есабыңызға пул таслай алмайсыз. Бирақ "светиңиз" өширилмейди, себеби есабыңызда 500 мың сом бар. Сол пул таўсылмағанша "светиңиз" өширилмейди.

Шығындынан қарызыңыз жабылыўы менен, электрға да пул таслаўыңыз мүмкин болады. Бар гәп сол.

❗️Бул тәртип 2024-жылдың 1-ноябрьинен пүткил республика бойлап шығындынан 3 айлық қарызы бар шахсларға, 2025-жыл 1-январьдан болса шығындынан 1 айлық қарыздарларға қолланылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 08:10


Шаҳзада Азатова жәҳән чемпионы!

Қазақстанда самбо бойынша үлкенлер арасындағы жәҳән чемпионаты даўам етпекте.

Ўатанласларымыз қатарында 59 кг салмақ категориясында Шаҳзода Азатова жәҳән чемпионлығына ийе болып, алтын медальды сайланды командамыздың есабына қосып қойды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 08:00


👾 Kia'dan "KIBERDUSHANBA" aksiyasi!

🔥Faqat 3 kun 9-11 noyabrgacha – sizda Kia avtomobillarini 20% gacha chegirma bilan xarid qilish uchun ajoyib imkoniyat mavjud!

☄️O‘ziga xos uslubga ega, ishonchli va zamonaviy Kia avtomobillari sizni kutmoqda. Shoshiling – taklif cheklangan

📞Batafsil ma'lumot Kia dilerlik markazlariga tashrif buyuring yoki +998555001331 raqami orqali

Реклама

Каракалпак 24

10 Nov, 06:00


❗️"OneID" системасынан дизимнен өтиў ушын видео-қолланба.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 05:40


«Права» ушын қанша пул төленеди?

Министрлер Кабинетиниң 04.05.2021-жылдағы 271-санлы қарарына тийкар, миллий айдаўшылық гүўалығын бериў, алмастырыў ҳәм жойтылғаны орнына тазасын бериў ушын төмендеги муғдарларда жыйым өндириледи:

✔️биринши рет миллий айдаўшылық гүўалығын алыў – БЕМның 70% (262500 сум);

✔️бурынғы айдаўшылық гүўалығын тазасына алмастырыў – БЕМның 70% (262500 сум);

✔️жойтып алынған айдаўшылық гүўалығы орнына тазасын алыў – БЕМның 100% (375000 сум).

📨 Пуқара қәлесе айдаўшылық гүўалығын почта арқалы үйине алып келиўге буйыртпа бериўи де мүмкин. Буның ушын пуқара арзада почта арқалы алыўын көрсетиўи керек болады. Бунда почта қәрежети пуқара тәрепинен төленеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 05:30


2025-жыл 1-январдан баслап Өзбекстанда автобусларда жол ҳақысы ушын нақ пулдан ўаз кешип, толық электрон төлем системасына өтиледи

"Бәндиргилерге нақ пулға билет ямаса ҚР-код сатып алыў имканияты жаратылады. Көпшилик бәндиргилерге инфокиосклар орнатылады. Ҳәзир бул тәжирийбе Ташкент қаласында сынақтан өткерилмекте.

Барлық автобусларға усы ҚР-кодларды оқай алатуғын девайслар орнатылады. Олар орнатылғаннан кейин, тәбийий коньдукторлар ислемейди. Себеби нақ пулды жыйнаў зәрүрлиги қалмайды
," деген транспорт министри.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 05:21


⚡️Qaraqalpaqstan, usi jerdesiz be?

Shegirmeler qashannan berli baslandi, nege siz texnomartda emessiz?

OPTOM bahadaǵı texnikilar taǵı eki kún - 10 hám 11 noyabr kúnleri!

🤘 keliń hám texnomartdan dáramat penen texnikalаrdi satıp alıń

Telegram | Instagram | Do’konlarimiz

Реклама

Каракалпак 24

10 Nov, 05:15


🛵 Скутер ҳәм самокатлардағы қағыйдабузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди (28-ноябрден күшке киреди)

Бул бойынша нызамға Президент тәрепинен қол қойылды.

Нызамға бола, скутер ҳәм индивидуал ҳәрекетлениў қуралларын басқарып атырған шахслардың жол ҳәрекетин тәртипке салыўшы сигналларға бойсынбаўы, үстинлик бериўши, қадаған етиўши ямаса көрсетпе бериўши жол белгилери талапларына әмел етпеўи:

▪️базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги муғдарында (123 мың 300 сум) жәриймаға себеп болады.

Сондай-ақ, скутер ҳәм самокатларды белгиленген тәртипте нур қайтарғыш ҳәм шырақларсыз басқарса:

▪️БЕМниң екиден бир бөлеги муғдарында (185 мың сум) жәрийма салынады.

Индивидуал ҳәрекетлениў қураллары ҳәм скутер айдаўшылары адамларды тасыса:

▪️БЕМниң екиден бир бөлеги муғдарында (185 мың сум) жәрийма салынады.

Скутер ямаса жеке ҳәрекетлениў қуралын басқарып атырған шахс алкоголь, нәшебентлик зат тәсиринде болып, ямаса басқаша түрде мәс болған ҳалда жол ҳәрекети қағыйдаларын бузса:

▪️БЕМниң үш есеси муғдарында (1 млн 110 мың сум) жәриймаға тартылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

10 Nov, 05:05


🏃‍♂️Бүгин Нөкисте Арал теңизине арналған "Nukus Half Marathon" халық аралық марафоны өткериледи

21км, 10км ҳәм 5км аралық дистанциясында болып өтетуғын бул марафонның улыўма сыйлықлар муғдары (призовой фонд) 92 миллион сўмды қурайды.

Марафонда пүткил дүнья жүзинен 6000 адам қатнасыўы күтилмекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

09 Nov, 16:29


Қарақалпақша “Baursak party”

📍Қараөзек районы. #

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 17:02


💵Жеңиллетилген тәлим кредитин ажыратып атырған банклер дизими

Ҳәзирги ўақытта төмендеги банклер студентлерге жеңиллетилген тәлим кредитин ажыратпақта:

▪️МКБанк — 1285
▪️БРБ банк — 1254
▪️СҚБ банк — 1180
▪️Агробанк — 1216
▪️Халық банки — 1106
▪️Миллий банк — 1344
▪️Ҳамкорбанк — 1256

❗️Еслетпе: Тәлим кредити алыў ушын talim-krediti.mf.uz порталына OneID арқалы кирип арза жибериледи.

"ONE ID" системасынан дизимнен өтиў ушын усы видео-қолланбаны көрип шығыўды усыныс етемиз.

Тәлим кредити бойынша толық мағлыўматты төмендеги силтеме арқалы билип алыўыңыз мүмкин:👇
https://t.me/KARAKALPAK24/35951

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 16:46


❗️Алымлар биринши мәрте түс көрип атырған еки адам арасында байланыс орнатыўға еристи

Илимпазлар арнаўлы әсбап-үскенелер жәрдеминде үйдиң түрли шетлеринде уйықлап атырған еки адамның ой-пикирин байланыстырды ҳәм олар өз-ара хабар алмасты.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 16:35


Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

II дәрежели "Саломатлик" ордени менен

Мауленов Бабараушан Жумабаевич
- Шоманай районлық медицина бирлеспесиниң қабыллаў бөлиминиң анестезиолог-реаниматологы,

"Дўстлик" ордени менен

Сметова Гулнар Жолдасбаевна
- Кегейли районындағы "Ақтуба" шаңарақлық шыпакерлик пунктиниң улыўма әмелият шыпакери;

"Шуҳрат" медалы менен

Тангирбергенов Рустам
- Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалының Беруний районы бөлиминиң автомашина басқарыўшысы.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 16:27


🚘 Дүньядағы еӊ қымбат автомобиллердиӊ ТОП 5 рейтинги

1⃣ KOENIGSEGG CCXR TREVITA
Баҳасы – 4,8 млн доллар.
Алмастай жаркырап турыўы менен итибарды тартады. 1.004 ат күшине ийе. Оныӊ тек ғана 2 модели ислеп шығарылған.

2⃣ LAMBORGINI VENENO ROADSTER
Баҳасы – 4.5 млн доллар.

Ол күшли тезликте ҳәрекетлене алыўы, дизайны, 6,5 литрли  В12 двигательге ийе болғанлығы менен басқа автомобиллерден ажыралып турады.

3⃣ LYKAN HYPERSPORT
Баҳасы – 3.4 млн доллар.

Ол дәслеп, араб спорт автомобили сыпатында дүньяға белгили болған. Оныӊ ҳәрбир LED лампалары қымбатбаҳалы таслар менен безелген. Сондай-ақ, Абу-Даби милициялары да хызмети даўамында усы автомобильден пайдаланады.

4⃣ LIMITED EDITION BUGATTI VEYRON BY MANSORY VIVERE
Баҳасы – 3.4 млн доллар.
Ол тез ҳәрекетленетуғын автомобиллер дизиминде дәслепки орынларда турады. Бул машина 2005-жылдан берли ислеп шығарылады. Сондай-ақ, Дубай милиция хызметкерлери оннан патруль машинасы ретинде де пайдаланады.

5⃣ ASTON MARTIN VALKRYIE
Баҳасы – 3.2 млн доллар
.
Дизайны ҳәм дүзилисине қарағанда ол бәйги машиналарына уқсайды. Машинаныӊ ортаӊғы бѳлегинде В12 двигатели жайласқан.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 16:17


💳 Переводы без комиссий с картой Uzum

Отправляйте до 100 млн сум в месяц на карты других банков в приложении Uzum Bank без комиссий до конца этого года.

Экономьте на каждом переводе, несколько тысяч сум сегодня, ещё несколько завтра — и накопится на приятную покупку.

А переводы между картами Uzum бесплатны навсегда.

👉 Оформить карту Uzum 💳

Реклама

Каракалпак 24

08 Nov, 12:02


⚡️“Поле чудес” көрсетиўинде қарақалпақша қосық жаңлады

Қарақалпақстанлы жас талант ийеси, қосықшы Маманбий Жумабаев Россияның “Первый канал” телеканалындағы “Поле чудес” көрсетиўинде қатнасып қарақалпақша қосық атқарып шықты.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 11:20


📣 Дыққат, таңлаў! «Айт сен Әжинияздың қосықларынан»

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги қарақалпақ халқының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы мүнәсибети менен «Айт сен Әжинияздың қосықларынан» атамасында халық қосықлары атқарыўшыларының республикалық таңлаўын жәриялайды.

Таңлаў усы жылдың 12-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында болып өтеди.

Таңлаўға 18-35 жас аралығындағы талантлы халық қосық атқарыўшылары қатнасыўы мүмкин.Таңлаў қатнасыўшылары Әжинияз Қосыбай улы қәлемине тийисли болған халық қосықларынан 2 қосық халық сазлары ансамбльи ҳәм камер оркестри менен бирге жанлы ҳаўазда атқарыўы лазым.

Таңлаўға қатнасыўшылардың ҳүжжетлери усы жылдың 10-ноябрьине шекем қабыл етиледи.

📞 Мағлыўмат ушын телефон: +998913013901

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 11:10


Қарақалпақ мәмлекетлик университети Азияның ең күшли университетлери дизимине киргизилди

Жоқары билимлендириў тараўындағы глобал таллаў агентлиги тәрепинен 2025-жыл ушын жәрияланған Азияның ең жақсы университетлериниң рейтинг нәтийжелерине бола, Өзбекстанның 23 жоқары билим бериў мәкемелери ТОП-1000 лықтан орын ийеледи. Солар қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети де бар.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 11:00


11.11 — Yilning eng katta foydasi! MEDIAPARK’da texnikaga 50% gacha chegirmalar! Chegirma bilan xarid qiling va Toshkentda kvartira yutish o'yinida ishtirok eting!⚡️

Shu munosabat bilan MEDIAPARK'ning barcha do'konlarida 9-10-11 noyabr kunlari katta assortimentdagi mahsulotlarga 50%gacha chegirmalar🤯🤩

Hozirda MEDIAPARK'da "Yil aksiyasi" ham davom etmoqda. Sizda MEDIAPARK'ning ilovasini yuklab olib ro'yxatdan o'tish bilan 4.000.000 so'mdan oshiq xaridlar amalga oshirish orqali
🔴Har hafta Seshanba MEDIAPARK rasmiy instagram sahifasida bo'lib o'tadigan Maishiy texnikalar o'yini ;
🔴Eng asosiy sovg'a - Toshkentda Xonadon 🎁
yutib olish imkoniyati mavjud. Shunchaki mazkur summadagi yoki undan oshiq xaridlar amalga oshiring hamda MEDIAPARK ilovasidagi QR-code'ni kassirga ko'rsatishingiz kifoya😊

Bular hali hammasi, sizlarni 1+1 aksiyalari, 1=3 eksklyuziv taklifi shuningdek yana boshqa ko'plab qulayliklar kutmoqda!

Batafsil ma'lumotlar uchun 👉 mediapark.uz
MEDIAPARK ilovasini 👉 yuklab olish

Foydali xaridlar uchun MEDIAPARK do'konlariga shoshiling

📞 71-203-33-33

📱Telegram |📱Instagram |📱 Site

Реклама

Каракалпак 24

08 Nov, 08:50


💰 Ата-ана қарамағынан айырылған балаларға 50 процент көбирек стипендия бериледи

📃 Нызамшылыққа муўапық, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәмлекетлик бақшалар ҳәм мектеплерге нәўбетке қойылмастан жайластырылады.

📚 Оларға техникум, колледж, академиялық лицей яки ЖООда оқып атырғанда ҳәр оқыў жылында 1 мәрте оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар (китаплар) сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси муғдарында субсидия бериледи.

☑️ Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар оқыўды мәмлекетлик ЖООларда даўам еттиргенде оларға стипендия 50 процентке көбейтилген ҳалда төленеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 08:20


ТӘЛИМ КРЕДИТИ ҲАҚҚЫНДА ТОЛЫҚ МАҒЛИЎМАТ

✔️Кредит муғдары: 1-курслар ушын бир жыллық контракт муғдарына шекем ажыратылады.

Екинши ҳәм оннан жоқары курс студентлери ушын пәнлерди өзлестириўдиң орташа көрсеткиши "3" ден төмен болған жағдайда билимлендириў кредити төлем-контракт суммасының көби менен 80 проценти муғдарында ажыратылады (Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилген шаңарақлардың перзентлери буған кирмейди).

Қайтарыў мүддети: оқыў мүддети (3, 4 ямаса 5 жыллық мүддет) тамамланганнан кейин жетинши айдан баслап 7 жыл мүддетке.

Проценти: жигитлер ушын — Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы муғдарында (ҳәзир 13,5% - 2024-жыл 10-сентябрь жағдайына);
Қызлар ушын - проценциз (0%);

✔️ Тийкарғы ставка өзгерсе: егер Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы төменлесе, онда кредит проценти де төменлейди. Егер тийкарғы ставка көтерилсе, онда кредит проценти өзгермейди (ягный көтерилмейди).

✔️ Кимлерге бериледи:

тек күндизги билимлендириў формасына
бакалавр (соның ишинде екинши қәнигелик) ямаса магистрге
төлемли-коньтракт тийкарында оқыўға кирген
ямаса оқыўын көширген студентлерге бериледи.

✔️ Төмендегилерге берилмейди:

супер-контракт ушын;
сыртқы;
кешки;
аралықтан;
арнаўлы сыртқы формалар ушын тәлим кредити берилмейди.

✔️ Қайсы ЖООлар ушын: тәлим кредити Өзбекстандағы мәмлекетлик, мәмлекетлик емес ямаса сырт ел:

жоқары;
орта арнаўлы;
Профессионал билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары
ямаса қоспа бағдарламада оқыўшы студентлерге бериледи.

Сырт елде жайласқан ЖООларда оқыў ушын тәлим кредити берилмейди.

HEMIS бағдарламасына жалғанбаған жеке меншик жоқары оқыў орынларының студентлерине тәлим кредити берилмейди.

✔️Кепиллик: кредит алыўшының турақлы дәрамат дерегине ийе болган шаңарақ агзалары (ата-анасы, ага-ини, апа-сиңлиси, ери яки ҳаялы) ямаса басқа үшинши шахслар билимлендириў кредити шәртнамасында биргеликте кредит алыўшы сипатында қатнасыўы мүмкин (ягний анық туўысқан болиўи шәрт емес).

✔️Кимлерге кепиллик талап етилмейди: "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не кирген шаңарақлардың перзентлерине ажыратылатуғын билимлендириў кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди.

✔️ Пуқаралық: тәлим кредити тек Өзбекстан пуқаралары ушын бериледи. Сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға банклердиң өзи коммерциялық шәртлерде кредит бериўи мүмкин.

✔️Керекли ҳүжжетлер: банкке төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

а) арза;
б) студент ҳәм билимлендириў мәкемеси арасындағы шәртнама (коньтракт);
д) кредиттиң қайтарылыўын тәмийинлеў бойынша ҳүжжет. Бунда "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не кирген шаңарақлардың перзентлерине ажыратылатуғын билимлендириў кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди;
е) "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилгенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама (егер бар болса);
ф) банктиң ишки ҳүжжетлеринде (сиясатында) белгиленген басқа ҳүжжетлер, соның ишинде, биргеликтеги кредит алыўшыға тийисли мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлер.

✔️Арза көрип шығылыў ўақты: арза 5 жумыс күнинде көрип шығылыўы ҳәм кредит шәртнамасына қол қойылыўы керек. Егер бийкар етилсе бул ҳаққында студентке себеплери көрсетилген жуўап хаты бериледи.

✔️ Мүддетинен алдын қайтарыў: кредит алыўшы тәлим кредитин шәртнамада белгиленген мүддетлерден алдын қайтарыўға ҳақылы.

✔️ Арзаны қашан ҳәм қалай бериў керек: тәлим кредити алыў ушин арзаны бугин-ақ бериўиңиз мүмкин. Буның ушын әлбетте банкке барыўыңыз да шәрт емес, төмендеги 2 усыл арқалы онлайн арза жибериў де мүмкин:

1) https://talim-kredit.mf.uz сайты;
2) Бирден-бир портал арқалы (https://my.gov.uz/oz/service/677).

Банкке барыў мақул болса, онда бул вариантты да көриўиңиз мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 08:12


Жаслар дәптерине киргизилгенлердиң айырымларына 1 500 000 сўмлық жәрдем пулы берилиўи мүмкин

Ҳүкиметтиң 07.06.2022-жылдағы 312-санлы қарарына екинши қосымша келтирилген нызам тийкарында,

"Жаслар дәптери"не киргизилген материаллық жағдайы аўыр жасларға бир мәртелик материаллық жәрдем ҳәр бир индивидуал жағдайда арза бериўшиниң турмыслық жағдайының қурамалылығын, оның социаллық қорғаўға мүтәж екенлигин есапқа алған ҳалда базалық есаплаў муғдарының 4 есеси (1 500 000) муғдарына шекем төлеп бериледи.

Материаллық жәрдем шахсқа бир календарь жыл даўамында бир мәрте бериледи.

️Шахсқа бир мәртелик материаллық жәрдем берилиўи оны "Жаслар дәптери"нен шығарыўға тийкар болмайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 07:32


1+1= БИЙПУЛ 🎁
АКЦИЯМЫЗГА СТАРТ БЕРЕМИЗ!

🎊🎊🎊🎉🎉🎉🥳🥳🥳

@timkim_women магазинимизден  пальто сатып алың ҳәмде  КУРТКА, БЕЗРУКАВКА ЯМАСА КАРДИГАН БИЙПУЛ САЎҒАҒА АЛЫҢ 🎁🎁🎁🎁🤩🤩🤩🤩

ПАЛЬТОЛАРЫМЫЗ ТУРКИЯНЫН MODALINEA, ELIT, LASAGRADA ХАМДЕ БАСКА ФИРМАЛАРЫНАН БОЛЫП БИЗЛЕРДЕ ЕН АРЗАН БАХАДА ТАБА АЛАСЫЗ🤗🤗🤗🤗

@timkim_women КОММАНДАСЫ  СИЗ КАДИРЛИ ХАЛКЫМЫЗДЫ РАЗЫ КЫЛЫУДАН  ШАРШАМАЙМЫЗ🥰🥰🥰

БАРИНИЗДИ МАГАЗИНИМИЗДЕ КУТИП КАЛАМЫЗ♥️♥️♥️♥️

——————————————————
📍АДРЕСИМИЗ: Нокис каласы, Т.Кайыпбергенов (бурынгы Ш.Рашидов) кошеси, БАМБИНО балалар кийими магазини касында, Ориентир: Орайлык базар!

Тел: 907059556
973535777

Реклама

Каракалпак 24

08 Nov, 07:05


❗️Быйылда 11-ноябрьде дем алыс күни болмайды

Мәлим болыўынша, 2024-жылы 9 жумыс исленбейтуғын дем алыс күнлери бар болып, олардың арасында 11-ноябрь жоқ.

Мағлыўмат ушын, Депутатлар 11-ноябрь – Кәсиплик аўқамлары күнин жумыс исленбейтуғын байрам күни ретинде белгилеўге байланыслы нызам жойбарын қабыллаған еди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 06:50


Сабаққа кешиккен ямаса формада болмаған оқыўшыны сабақтан шығарып жибериў мүмкин емес

Сабаққа кешигиў, оқыўшылар тәрепинен оқыў қураллары алып келинбеўи ямаса мектеп формасының жоқлығы оқыўшыны сабаққа киргизбей қалыўына тийкар болмайды. Билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процеси "нызамшылық, демократиялық, кемситиўге жол қоймаў ҳәм ҳүрмет" принциплерине тийкарланыўы керек.

Халық билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 28-июлдеги 246-санлы буйрығы менен тастыйықланған "Улыўма орта билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртиби ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына" бола, муғәллимлер, топар ағзалары ҳәм басқалардың шахсын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўи, оқыўшыларды сабақтан тийкарсыз шығарып жибермейтуғын ямаса киргизбеўи ҳәмде "шығыў" қоңыраўы шалынғаннан кейин оқыўшыларды класта услап отырыў да мүмкин емес.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

08 Nov, 06:40


Қайсы мәўсимлик жумыслар толық бир жыл мийнет стажына өтеди?

Пахта тазалаў  кәрханаларында пахта тазалаў менен байланыслы төмендеги жумысларда  толық бир мәўсим ислеў  пенсия тайынлаў ушын бир жыл мийнет стажына өтеди:
пахтаны кептириў;
пахтаны тазалаў;
пахтаны жүклеў, түсириў;
пахтаны пневмотранспортқа артыў;
кептириў-тазалаў цехын жыйнастырыў ҳәм ысытыў, ислеп шығарыў шығындыларын шығарып таслаў.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

07 Nov, 15:51


❗️Тақыятас районы ҳәкиминиң алдыңғы орынбасары 5 жыл 2 айға қамалды

Ол дәслеп 32 млн пара алған ўақытта қолға түскен еди. Кейин ала Бектемиров қосымша түрде бюджет қаржыларынан 760 миллион сумды талан-тараж еткен деп табылған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Nov, 15:36


«Права» алыў ушын тест қашан ашылады?

Толық мағлыўматты жоқарыдағы видеодан алсаңыз болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Nov, 15:19


1 000 000$ доллар пара 😱

Шыршық қаласы ҳәкиминиң орынбасары 1 млн. АҚШ долларын пара алған ўақтында усланған.

Коррупцияға қарсы гүресиў шеңберинде Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери тәрепинен Бас прокуратура жанындағы Департамент пенен биргеликте өткерилген оператив иләжда, Ташкент ўәлаяты Шыршық қаласы ҳәкиминиң орынбасары хызмет лаўазымынан пайдаланған ҳалда, кластер түриндеги саўда комплексин шөлкемлестириў ушын 40 млн. АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў шәрти менен, қала ҳәкимлиги резервиндеги 20 гектар жер майданын аукцион саўдасына шығарып, утып бериў ҳәм 49 жыл мүддетке жерге иелик етиў ҳуқықын рәсмийлестириўде жәрдемлесиў есабынан 2 млн. АҚШ доллары талап етип, алдынан 1 млн. АҚШ долларын өзиниң айдаўшысы арқалы алған ўақтында усланған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Nov, 14:40


Шоманай ҳәм Тахтакөпир районында көмир ушын ажыратылған пулларды талан-тараж еткен шахслар усланды

Қарақалпақстанда өткерилген тексериў даўамында "И.Т.С." ЖШЖ жуўапкер шахслары Тахтакөпир ҳәм Шоманай районларындағы социаллық тараў объектлерин ыссылық энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде көмир сатып алыў ушын бюджеттен ажыратылған 1,4 миллиард сум қаржылардың 340,8 млн сумын өзлестириў жолы менен талан-тараж еткени анықланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексине муўапық ис қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Nov, 14:05


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ биринши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы 2024-жыл 6-ноябрь күни саат 10:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Nov, 12:45


Green Card лотереясында қатнасыў ушын арза тапсырыў мүддети еки күнге созылды

Енди сиз арзаңызды 2024-жыл 7-ноябрь, Ташкент ўақты менен 22:00 ге шекем тапсырыўыңыз мүмкин. Бирақ негизинде дизимге алыў бүгин жуўмақланыўы керек еди.

Дизимнен өтиў тек қана лотереяның рәсмий веб-сайтында https://dvprogram.state.gov әмелге асырылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Nov, 12:38


Енди "загран" паспортын почта арқалы жеткерип бериў хызмети жолға қойылады

Президент қарары менен сырт елге шығыў биометрик паспортын бергенлик ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы суммасының қайта бөлистирилиўи белгиленди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Nov, 12:20


Шегара жабылады

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы "Дослық" шегара бажыхана посты 2024-жыл 6-ноябрь күни жүк ҳәм жеңил автотранспорт қуралларының ҳәрекети ўақтынша тоқтатылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Nov, 12:13


❗️Ертеңнен баслап Өзбекстан аймағына суўық ҳаўа ағымы кирип келеди

Усы жылдың 5-6-ноябрь күнлери Өзбекстанның айырым аймақларында жаўын-шашын болыўы, 7-8-ноябрь күнлери болса температураның кескин төменлеўи күтиледи — Өзгидромет

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

05 Nov, 08:11


Жәмийетлик транспортларда ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша исеним телефон жолға қойылды

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен республикамыз аймағында жәмийетлик транспорт тараўында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша министрликтиң арнаўлы исеним номери 61 225-70-34 жолға қойылды.

Ҳүрметли пуқаралар!
Мүрәжатларыңыз ямаса хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў бойынша пикир усынысларыңызды 61 225-70-34 номерине азанғы саат 09:00 ден кешки 18:00 ге шекем байланысыўыңызға болады.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 16:10


❗️Нызамшылықта муғаллимлерге берилген айырым жеңилликлер менен танысың

🔹1-октябрь "Муғаллимлер ҳәм устазлар күни" деп белгиленген ҳәм бул күн байрам (дем алыс) күни есапланады.

🔹Балаларға тәлим-тәрбия беретуғын барлық педагог хызметкерлер турақлы түрде бийпул медициналық тексериўден өткериледи.

🔹Педагоглар ушын 56 күнлик жыллық ҳақы төленетуғын узайтырылған дем алыслар бериледи.

🔹Педагог хизметкерлер ушын жумис ўақтының даўамыйлығы ҳәптесине көби менен 36 саат етип белгиленеди.

🔹 Мектеп муғаллимлерине жумысты баҳалаў нормалары тийкарында 10 проценттен 40 процентке шекем, китапханашы ҳәм психологларға 10 проценттен 20 процентке шекем үстеме белгиленеди.

🔹 Пән олимпиадасының жеңимпазын таярлаған оқытыўшылар хошаметленеди.

🔹Муғаллимлер наўқас болып қалганда материаллық жәрдем бериледи.

🔹Олимпиада жеңимпазы болған муғаллимлерге 150 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Өзи сабақ беретуғын пән бойынша халықаралық тән алынған ҳәм миллий сертификатқа ийе болған муғаллимлерге олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

🔹"Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп" таңлаўының жеңимпазы болған мектепке ярым миллиард сум бериледи.

🔹Инклюзив класс муғаллимлерине 40 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Алыс аймақларда сабақ берип атырған муғаллимлерге 50 процентке шекем үстеме бериледи.

🔹Математика, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшыларға ақшалай пул сыйлығы бериледи.

🔹Көп жыллық стажға ийе педагоглар мәжбүрий аттестацияга тартылмайды.

🔹Халықаралық пән олимпиадаларын таярлаған оқытыўшыларға маманлық категориясы аттестациясыз бериледи.

🔹Республикалық пән олимпиадасы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлердиң маманлық категориясы бир басқышқа арттырылады.

🔹Медицина тараўы профессор-оқытыўшыларына емлеў-диагностика жумысларын орынлағаны ушын қосымша ҳақы төленеди.

🔹Билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери пәни муғаллимлерине айлық үстемелер бериледи.

❗️Оқытыўшылардың жумысына араласқанлық ушын жуўапкершилик бар.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 15:55


Егер инсан аз уйықласа, қандай кеселликлер пайда бола баслайды?

Ҳәлсизлик;;
Есте сақлаў жаманласады;
Териси қартайып баслайды;
Қан басымы көтериледи;
Қантлы диабетке шалыныў қәўипи артады;
Иммунитети төменлейди;
Жүрек кеселликлерине дуўшар болиўға бейимлилик артады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 15:41


☎️ Министрликлердиң исеним телефон номерлери:

▪️Ишки ислер министрлиги 1102
▪️Қурылыс министрлиги 1298
▪️Аўыл хожалығы министрлиги 1243
▪️Айрықша жағдайлар министрлиги 1101
▪️Денсаўлықты сақлаў министрлиги 1003
▪️Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги 1006
▪️Экономика ҳәм финанс министрлиги 01115
▪️Транспорт министрлиги 1167
▪️Әдиллик министрлиги 1008
▪️Санлы технологиялар министрлиги 1199

▪️Мәденият министрлиги
+99855 502-33-75
▪️Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги
+99871 256-52-90
▪️Инвестициялар, саўда-санаат министрлиги
+99871 238-50-05
▪️Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги
+99871 202-09-09
▪️Экология министрлиги
+99871 207-11-07
▪️Бәнтлик министрлиги
+99871 203-01-41
▪️Суў хожалығы министрлиги
+99871 202-47-00
▪️Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги
+99871 239-24-52
▪️Сыртқы ислер министрлиги
+99871 233-28-28
▪️Энергетика министрлиги
+99871 231-81-18
▪️Қорғаныў министрлиги
+99871 269-81-72

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 15:22


Мүтәж пуқараларға электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдың тутыныў нормасынан асқан бөлеги компенсация етиледи

Энергетика тарифлериниң өзгергени мүнәсибети менен мүтәж пуқараларға электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлерди әмелге асырыўда жеңиллик бериледи.

Соннан, жылытыў мәўсими даўамында мүтәж шаңарақлардың электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдың тутыныўының базалық нормалардан асқан бөлеги компенсация етип бериледи.

Бунда:

компенсация тәбийғый газ ушын базадан нормадан артықша тутынылған 250 куб/метрге шекем, электр энергиясы ушын 150 кВт cаатқа шекем усынылады;

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген ҳәм «мәҳәлле жетилиги» жуўмағына бола анықланған мүтәж шаңарақлар компенсация ушын мүрәжат етиўи мүмкин болады;

«мәҳәлле жетилиги» тәрепинен қәлиплестирилетуғын мүтәж шаңарақлардың қосымша дизими тийисли мәҳәлледеги бирден-бир реестрге киргизилген шаңарақлар улыўмалық санынан 15 пайызынан аспайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 15:06


8-ноябрь күнинен баслап өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалар, үйиңиз алдындағы қосымша огородлар нызамлы деп табылады

Пуқаралар тәрепинен 2018-жыл 1-майға шекем жеке тәртипте турақ жай қурыў арқалы өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықын және онда қурылған имарат ҳәм обектлерге болған мүлк ҳуқықын тән алыў ушын төмендеги шәртлерге әмел етилиўи керек:

бул жер участкасы басқа физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ажыратылмаған ямаса электрон онлайн-аукционға қойылмаған болса;

бул жер участкасынан пайдаланыў бойынша физикалық ямаса юридикалық шахслар арасында келиспеўшилик болмаса;

бул жер участкасы ушын жер салығы бойынша, онда қурылған имаратлар ҳәм обектлер ушын болса мал-мүлк салығы бойынша қарыздарлық болмаса.

❗️Нызам рәсмий түрде 2024-жыл 8-ноябрь күнинен баслап күшке киреди.

📄 Нызам менен танысыў

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 15:02


📢📢📢 АКЦИЯ‼️‼️‼️
🌍ФАРУС НАТЕЖНОЙ ПОТОЛОК СИЗГЕ ОЗ ХИЗМЕТИН УСЫНАДЫ

🔥ОДНАТОННЫЙ 25.000
🔥ДАРА ПЕЧАТЬ 40.000
🔥ТОЛЫК ПЕЧАТЬ 60.000
🔥БОРТ НАТЯЖНОЙ
🔥3D ФОТО ОБОЙ


БАРЫП ОЛШЕУ, АПАРЫП КУРЫУ
КАЛА ХАМ РАЙОНЛАРГА
10 ЖЫЛЛЫК САПА
ОЗ ЖУМЫСЫНЫН МАМАН УСТАЛАРЫ ХИЗМЕТТЕ


@farus_menedjer
📞:+998904242040
📞:
+998932422040

Реклама

Каракалпак 24

04 Nov, 14:46


Берунийде 25,5 млрд сумлық инвестиция жойбары иске түсирилди

Беруний районындағы «Лидер Гипс» ЖШЖ тәрепинен улыўма майданы 2,5 гектар жерде шөлкемлестирилген гипсокартон ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў жойбары 25,5 млрд сумды қурайды, соннан, 1,8 млн АҚШ доллары сырт ел инвестициясы тийкарында қәлиплестирилген. Жылына 2 млн. кв метр гипсокартон ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде 18 жаңа жумыс орны жаратылды.

Жойбар бойынша кәрхана иске түсирилиўи менен ҳәр қыйлы түрдеги гипсокартон ислеп шығарылады ҳәм ишки базарды сапалы өнимлер менен тәмийинлейди. Жойбар шеңберинде кәрханадағы монтаж жумысларын Қытай мәмлекетинен келген инженерлер әмелге асырды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 14:29


❗️Ертең Нөкис қаласы ҳәм және 10 районға ишимлик суўын жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады

Усы жылдың 5-ноябрь күни саат 09:30 дан 18:00 ге шекем Нөкис қаласы, Нөкис, Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Мойнақ, Қоңырат, Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларына ишимлик суўын жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

Мәлим болыўынша, «НУР» электр подстанциясында оңлаў жумыслары алып барылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 12:57


Қытайдың BYD компаниясы бир жерде турып секире алатуғын автомобил жаратты.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 12:40


❗️Ертең Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахиакөпирде газ өшеди

5-ноябрь саат 13:00 ден 18:00 ге шекем Шымбай, Қараөзек ҳәм Тохтакөпир районындағы барлық тутыныўшыларға газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

Мәлим болыўынша, “Шымбай” автоматластырылған газ бөлистириў станциясында шайба алмастырыў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 12:10


‼️ Абайлы болың! Алдаўшылықтың жаңа түри пайда болды

Енди олар адамларға "даўыс берип жибериў" өтиниш етилген силтемени жибермекте.

Танысыма жәрдем беремен деген әпиўайы адамлар силтемени басып, барлық жеке мағлыўматларына кириў имканиятын жаратып берип атыр.

Нәтийжеде алдаўшылар олардың карталарындағы барлық пулларды шешип алмақта.

❗️Сизге де усындай хабар келсе, силтеме үстине баса көрмең!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 12:01


BIZNES FINANS MMT NÓKIS FILIALÍ
 
MIKROQARÍZ GIREW TIYKARÍNDA (ALTÍN BUYÍMLARÍ, AVTOKÓLIK HÁM KÓSHPES MÚLK)
 
GIREWGE MASHINA HÁM KÓSHPES MÚLK QOYÍLSA
300 000 000 SUMǴA SHEKEM
MASHINANÍŃ JÍLÍNA QARAP
2 SAAT ISHINDE
2 JÍLǴA SHEKEM
NAQ PULDA BERILEDI
GIREW NOTARIUS ARQALÍ SHEKLEWGE QOYÍLADÍ.
 
GIREWGE ALTÍN BUYÍMLARÍ QOYÍLSA
800 000 SUMǴA SHEKEM BAHALAW ESABÍNDA
TÓMEN PAYÍZLARDA
10 MINUT ISHINDE (ALTÍNNÍŃ KÓPLIGINE QARAP)
1 JÍLǴA SHEKEM
NAQ PULDA BERILEDI
 
☑️KREDIT ALÍW USHÍN OFISIMIZGE XABARLASSAŃÍZ BOLADÍ 
 
MÁNZIL: NÓKIS QALASÍ, T.QAYIPBERGENOV KÓSHESI, 65 JAY.
 
📞BAYLANÍS USHÍN TELEFONLAR 
+99899 415 3003
+99899 418 3003
INSTAGRAM: BIZNES_FINANS_NUKUS
TELEGRAM: @BIZFIN_NKS

Реклама

Каракалпак 24

04 Nov, 10:20


️Ноябрь айының пенсия пулы қашан төленеди?

Пенсия қоры тәрепинен банк пластик картада пенсия алыўшы пуқараларға пенсия пуллары 5-ноябрге шекем, нақ пул түринде пенсия алыўшы пуқараларға болса 27-ноябрь сәнесине шекем төлеп берилиўи режелестирилген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 10:07


❗️Хабарландырыў

Мәмлекетимизде 4-ноябрь күнинен 14-ноябрь күнине шекем "Халықты жер силкиниўи бойынша таярлаў ҳәптелиги" деп жәрияланды.

Ҳәптелик даўамында Республикамыздың бәрше аймақларында халықты жер силкиниўи бойынша таярлаў ҳәмде айрықша жағдайларда дурыс ҳәрекетлениўге үйретиў бойынша оқыў шынығыўлары ҳәмде басқада әмелий ис-илажларды өткериў жобаластырылған.

Ҳүрметли пуқаралар, ҳәптеликке иләжларына белсене қатнасың:
Жер силкиниўи жүз бергенде дурыс ҳәрекетлениў бойынша билимлериңизди асырып барың;
Оқыў шынығыўлары даўамында артықша ҳаўлықпаға берилмең;
Социаллық тармақлар ҳәмде басқада дереклер арқалы тастыйықланбаған мағлыўматларды тарқатпаң!

ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 10:01


Пуқаралар дыққатына!!!
Каракалпакстанда тек ғана бизде компенсация!!!
Энергияны үнемлеў яки улыўма пул тѳлемей қосымша аўысқан хәр бир кВт электр энергияны 1000 сумнан сатып қосымша дәрамат табыў ушын үлкен имканият усыныс етемиз:

⚡️ 3 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 9 400 000 сумға (16 900 000 сум орнына!)
⚡️ 5 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 18 500 000 сумға (26 000 000 сум орнына!)

Биз не усыныс етемиз?
15 жыллық кепиллик ҳәм 1 жыллық сервис хызмет
Жоқары сапалы үскенелер
Тез ҳәм исенимли хызмет

Шәртнама дүзиў ушын керекли хужжетлер:
1. турақ жайыңыздың кадастр ҳүжжети
2. Сиз турақ жай ийеси болыўыңыз яки сол жерде турақлы рухсатқа ийе болыўыңыз керек.

• Куяш панели ушын кеткен карежетинизди канша уакытта каплайсыз?
• 1000 сумнан сатып кашан канша дарамат таба аласыз?
• Сиз хазир токка канша толем толейсиз?

Бизден мәсләҳәт алыў ушын байланыс нѳмер:
+998953700155 +998953770155
Мәнзил:
🏛Нѳкис қаласы М.Жуманазаров кѳшеси 57 уй, бағдар Қарақалпағым кафе.

Реклама

Каракалпак 24

04 Nov, 08:10


❗️Қарыздар болыўдың денсаўлыққа тәсири

АҚШ университети алымлары алып барган изертлеў нәтийжелерине қарағанда, қарыздарлық адамның денсаўлығына ҳәм физикалық, ҳәм руўхый тәсир етеди екен.

Илимпазлардың атап өтиўинше, қарыздар адамлардың көпшилиги қан басымы менен байланыслы кеселлик бенен аўырады.

Алымлар имканияты барынша қарыз алмаўға ҳәрекет етиўди усыныс етти!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 07:35


❗️Ертеңнен баслап ҳаўаның температурасы төменлейди

Ҳаўаның температурасы 5-ноябрде күндиз +13...+18°, 6-ноябрьде +10...+15° әтирапында болады,

7-8-ноябрде күнлери болса температура +5...+10°қа шекем төменлейди, түнде 0...+5°, Үстиртте -3...-4°қа шекем суўық болады.

5-6-ноябрь күнлери республиканың барлық аймақларында жаўын жаўады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 07:15


The Times: АҚШтағы сайлаўда ким утыўы мүмкин?

АҚШ президентлигине талабан Камала Харрис жети «тебирениўши» штаттан төртеўинде жетекшилик етпекте, бул сайлаўда жеңиске ерисиў ушын жетерли болыўы мүмкин. Бул ҳаққында The Times баслымы өткерген сораў нәтийжелеринде мәлим етилген.

Мағлыўматларға бола, Харрис Висконсин ҳәм Пенсилвания штатларында 49% респондентлер тәрепинен, сондай-ақ, Мичиган ҳәм Невада штатларында 48% менен Трамптан алында – Доналд Трамп олар бойынша 45%, 46%, 45% ҳәм 47% қоллаў алған.

Соның менен бирге, бурыңғы президент Арқа Каролинада 49% ҳәм Жоржияда 48% респондентлер сәйкес рәўиште 48% ҳәм 47% қоллап-қуўатлағанлар;
Аризонада еки талабанды да 48 процент қоллап-қуўатланған.

Егер президентлик сайлаўы нәтийжелери сораўнама сыяқлы нәтийжелер менен жуўмақланса, Харрис жеңиске ерисиў ушын зәрүр болған 538 даўыстан 276 даўыс алып, жеңиўи мүмкин.

Сораў 25-31-октябрь күнлери 6,6 мың сайлаўшы қатнасыўында өткерилди, қәтелик штатқа қарап 3,9 проценттен 4,6 процентке шекем парықланыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 07:06


❗️Ҳүрметли пуқаралар!

Телеграмдағы ҳәр түрли топар ҳәм каналларда «Бала пулына арза тапсырып беремиз» деген мазмундағы пуллы хызметлерге алданып қалмаң.

Егер кимде-ким балалар напақасы яки материаллық жәрдемге арза бермекши болса, мәҳәлледеги социаллық хызметкер яки «Инсан» социаллық хызметлер орайларына мүрәжат қылыўыңыз мүмкин. Сондай-ақ бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталы my.gov.uz арқалы да әмелге асырсаңыз болады.

❗️ Еслетип өтемиз, балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемге арза тапсырыў бийпул.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 06:54


#Тезкор
⚡️"Б" правада ҳайдаш мумкин бўлган JAC M3 Plus минивен билан даромадингизни 2-3 бараварга кўпайтиринг.

Техник параметрлари:
🖱️ От кучи: 131
🖱️ Ўриндиқ сони: 8+1
🖱️Ўлчам: 5115×1765×1900
🖱️ Ёқилғи сарфи: 7.5 л/100 км
🖱️ АБС+EBD тизими

💰Энг қизиғи бошланғич тўлов тўлаб автомобилни ўз номингизга расмийлаштирсангиз бўлади.

Батафсил маълумот:
📞+998908180606
📞+998908193330

Реклама

Каракалпак 24

04 Nov, 06:23


⚡️Медицина ЖООларының 200 питкериўшиси сырт-елде оқытылады

Президент қарарына муўапық, усы оқыў жылынан баслап медицина жоқары оқыў орнының 200 питкериўшиси магистратура ҳәм клиникалық ординатура бағдарламалары тийкарында жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм орайларында оқытылады.

Сондай-ақ, қарарда:

медицина жоқары оқыў орнының питкериўши курсы студентлеринде шаңарақлық шыпакер ушын талап етилетуғын клиникалық көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде көп тармақлы медицина шөлкемлеринде мийнет ҳақы төленетуғын интернатура шөлкемлестириледи;

медицина бағдарындағы ЖОО студентлериниң билимлери еки басқышлы баҳалаў системасы тийкарында баҳаланады;

Ташкент медицина академиясының билимлендириў бағдарламалары халықаралық аккредитациядан өткериледи;

медицина бағдарындағы жоқары оқыў орынлары студентлериниң билимлери еки басқышлы баҳалаў системасы тийкарында баҳаланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

04 Nov, 05:20


💵Жеңиллетилген тәлим кредитин ажыратып атырған банклер дизими

Ҳәзирги ўақытта төмендеги банклер студентлерге жеңиллетилген тәлим кредитин ажыратпақта:

▪️МКБанк — 1285
▪️БРБ банк — 1254
▪️СҚБ банк — 1180
▪️Агробанк — 1216
▪️Халық банки — 1106
▪️Миллий банк — 1344
▪️Ҳамкорбанк — 1256

❗️Еслетпе: Тәлим кредити алыў ушын talim-krediti.mf.uz порталына OneID арқалы кирип арза жибериледи.

"ONE ID" системасынан дизимнен өтиў ушын усы видео-қолланбаны көрип шығыўды усыныс етемиз.

Тәлим кредити бойынша толық мағлыўматты төмендеги силтеме арқалы билип алыўыңыз мүмкин:👇
https://t.me/KARAKALPAK24/35951

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Nov, 17:04


Доллар курсы келеси 3 жыллықта қандай болады?

Өзбекстанда доллардың сумға салыстырғанда индикатив курсы ислеп шығылды. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги Мәмлекетлик бюджет жойбарына тийисли прогнозларды киргизген.

Оған бола, 2025-жылға мөлшерленген бюджет параметрлеринде доллар курсы орташа жыллық 13250 сумнан есапланған. Мағлыўматқа бола, АҚШ валютасының сумға салыстырғанда басқышпа-басқыш беккемлениўи күтилмекте. Солай етип, 2027-жылға барып доллар 14 150 сумға жетиўи мүмкин. Кейинги 3 жыл ушын күтилип атырған ставка төмендегише:

2025-жыл — 13 250 сум;
2026-жыл — 13 725 сум;
2027-жыл — 14 150 сум.


Доллар курсының прогнозы бойынша экспертлер ҳәр қыйлы пикир билдирмекте. Айырымлар департаменттиң прогнозин жүдә реал деп есапласа, басқалар жәҳән финанс базарларындағы анықсызлық себепли доллар курсы және де тез көтерилиўи мүмкин, деп есапланбақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

03 Nov, 16:31


❗️Ертең Хожелиде газ өшеди

Хожели районы аймағындағы «Хожели-2» (П.Халмуратов) автоматластырылған газ бөлистириӯ станциясындағы орта басымлы газ тармағында оңлаӯ жумыслары алып барылыӯына байланыслы райондағы «Мустақыллық», «Қулап» АПЖ аймақларында тәбийғый газ жеткерип бериӯ ӯақытша тоқтатылады. 

“Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Oct, 06:20


⚡️Магистратураға қосымша қабыллаўға рухсат берилди

Мәмлекетлик комиссияның тийисли баянламасы менен 2024/2025-оқыў жылы ушын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура қәнигеликлерине қабыллаў процесинде талап дәрежесиндеги шет тили сертификатына ийе болып, қабыллаў квотасы шеңберинде студентликке усыныс етилмеген талабанларды жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен белгиленетуғын базалық төлем-контракт муғдарының 2 есесинен артық болмаған муғдардағы төлем-контракт тийкарында қабыллаўға рухсат берилди.

Қосымша қабыллаў тийкарында оқыў тилегин билдирген талапкерлерден тиккелей жоқары билимлендириў мәкемесиниң қабыллаў комиссиясына мүрәжат етиўи соралады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Oct, 05:58


❗️Төрткүл районында Қызыл китапқа киргизилген Азия "шөл пышығы" өлтирилди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Oct, 05:19


Яғный

Ендигиден былай қағыйдабузарлық ҳаққындағы мағлыўмат 48 саат ишинде ЖҲҚБна келип түспесе, жәрийма бийкар етиледи.

Арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеожазыў техникалары арқалы анықланған қағыйдабузарлықлар 2 күн ишинде қарар шығарыўшы ўәкилликли шахсқа жиберилмесе, ис жүргизилмейди.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийисли өзгерис киргизилди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Oct, 05:09


❗️Көпшилик айдаўшылар күткен нызам қабыл етилди

Ендигиден былай жол ҳәрекети қағыйдаларын бузылғанлығы ҳаққындағы мағлыўмат жәрыйма салыў ҳаққында қарар шығарыўға ўәкиллиги бар шахсқа жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеожазыў техникалық қураллары арқалы анықланған ўақыттан баслап қырқ сегиз саат (48 саат) ишинде жиберилмеген жағдайда, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис усы Кодекстиң 271-статьясына муўапық жуўмақланады.

Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Өзбекстан Республикасының Нызамы, 28.10.2024-жылдағы ӨРҚ-985-сан.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Oct, 05:01


🚭 Сүўреттеги орынларда сигарет шексеңиз 113 000 сўм жәрыйма төлейсиз

️Фотосүўреттеги орынлардан тысқары жанылғы қуйыў шақапшалары, тоқтаў орынлары, саўда обектлери, сондай-ақ, адамлардың ғалабалық дем алыўы ушын мөлшерленген барлық жабық обектлер де буған киреди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Oct, 04:27


🌧 Бүгин Қарақалпақстанда жаўын жаўады

Бүгин Қарақалпақстанның айырым районларында думан түсиўи ҳәм бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 10-15 градус болады.

Нөкис қаласында жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Oct, 04:00


❗️Бүгин ҳәм ертең Нөкис қаласында ҳәм алты районда свет өшеди

«Тақыятас ыссылық электр станциясы»нан шығыўшы жоқары кернеўли 110 кВлы «Орайлық» ҳаўа электр узатыў тармағында киши оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы Республикамыздың

Нөкис қаласы,
Нөкис,
Бозатаў,
Кегейли,
Шымбай,
Қараөзек
Тахтакөпир районы


аймақларында 2024-жыл 29-30-октябрь күнлери саат 8:00 ден 18:00 аралығында электр энергиясы тәмийнатында үзилислер жүз беретуғынлығын мәлимлеймиз.

«Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы


👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

29 Oct, 03:55


Пуқаралар дыққатына!!!
Каракалпакстанда тек ғана бизде компенсация!!!
Энергияны үнемлеў яки улыўма пул тѳлемей қосымша аўысқан хәр бир кВт электр энергияны 1000 сумнан сатып қосымша дәрамат табыў ушын үлкен имканият усыныс етемиз:

⚡️ 3 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 9 400 000 сумға (16 900 000 сум орнына!)
⚡️ 5 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 18 500 000 сумға (26 000 000 сум орнына!)

Биз не усыныс етемиз?
15 жыллық кепиллик ҳәм 1 жыллық сервис хызмет
Жоқары сапалы үскенелер
Тез ҳәм исенимли хызмет

Шәртнама дүзиў ушын керекли хужжетлер:
1. турақ жайыңыздың кадастр ҳүжжети
2. Сиз турақ жай ийеси болыўыңыз яки сол жерде турақлы рухсатқа ийе болыўыңыз керек.

• Куяш панели ушын кеткен карежетинизди канша уакытта каплайсыз?
• 1000 сумнан сатып кашан канша дарамат таба аласыз?
• Сиз хазир токка канша толем толейсиз?

Бизден мәсләҳәт алыў ушын байланыс нѳмер:
+998953700155 +998953770155
Мәнзил:
🏛Нѳкис қаласы М.Жуманазаров кѳшеси 57 уй, бағдар Қарақалпағым кафе.

Реклама

Каракалпак 24

28 Oct, 16:54


Контракт төлеў мүддети 1-декабрге шекем созылды

Төмендеги бакалавр ҳәм магистратура студентлери ушын төлемлерди әмелге асырыў созылды:

базалық ямаса еселенген төлемли-контракт тийкарында оқыў тилегин билдирген абитуриентлер (1-басқыш);

қарақалпақстанлы жаслар ушын ажыратылган қосымша қабыллаў квоталарына студентликке усыныс етилген абитуриентлер (1-басқыш);

оқыўы көширилген (көширип тикленген) студентлер.

❗️Еслетпе: әмелдеги тәртипке бола, екинши ҳәм оннан жоқары басқыш студентлериниң контрактын төлеў мүддети ЖОО басшысы тәрепинен создырылыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Oct, 16:49


Магистратураға қосымша қабыллаўға рухсат берилди

Мәмлекетлик комиссияның тийисли баянламасы менен 2024/2025-оқыў жылы ушын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура қәнигеликлерине қабыллаў процесинде талап дәрежесиндеги шет тили сертификатына ие болып, қабыллаў квотасы шеңберинде студентликке усыныс етилмеген талабанларды жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен белгиленетуғын базалық төлем-коньтракт муғдарының 2 есесинен артық болмаған муғдардағы төлем-контракт тийкарында қабыллаўға рухсат берилди.

Қосымша қабыллаў тийкарында оқыў тилегин билдирген талапкерлерден тиккелей жоқары билимлендириў мәкемесиниң қабыллаў комиссиясына мүрәжат етиўи соралады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Oct, 13:50


Егер инсан аз уйықласа, қандай кеселликлер пайда бола баслайды?

Ҳәлсизлик;;
Есте сақлаў жаманласады;
Териси қартайып баслайды;
Қан басымы көтериледи;
Қантлы диабетке шалыныў қәўипи артады;
Иммунитети төменлейди;
Жүрек кеселликлерине дуўшар болиўға бейимлилик артады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Oct, 13:39


⚡️Медицина ЖООларының 200 питкериўшиси сырт-елде оқытылады

Президент қарарына муўапық, усы оқыў жылынан баслап медицина жоқары оқыў орнының 200 питкериўшиси магистратура ҳәм клиникалық ординатура бағдарламалары тийкарында жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм орайларында оқытылады.

Сондай-ақ, қарарда:

медицина жоқары оқыў орнының питкериўши курсы студентлеринде шаңарақлық шыпакер ушын талап етилетуғын клиникалық көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде көп тармақлы медицина шөлкемлеринде мийнет ҳақы төленетуғын интернатура шөлкемлестириледи;

медицина бағдарындағы ЖОО студентлериниң билимлери еки басқышлы баҳалаў системасы тийкарында баҳаланады;

Ташкент медицина академиясының билимлендириў бағдарламалары халықаралық аккредитациядан өткериледи;

медицина бағдарындағы жоқары оқыў орынлары студентлериниң билимлери еки басқышлы баҳалаў системасы тийкарында баҳаланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Oct, 13:31


😊☺️😉😃

🎁 Omonat oching va "iPhone 16 Pro max" yutib oling!

xazna ilovasida onlayn omonat ochgan 50 ta omadli mijozlarimizga qimmatbaho sovg‘alar ulashiladi!

Aksiyada ishtirok etish uchun siz:

- "xazna" ilovasida “Foizlar oldindan”, “Standart” va “Premium” omonatlaridan birini rasmiylashtirgan hamda minimal  10 000 000 so‘m mablag' kiritishingiz zarur.

Aksiya 29-dekabrgacha davom etadi.

Hoziroq "xazna" ilovasini yuklab oling va aksiyamiz g'olibiga aylaning:
📲 Play Market | 🏬 App Store

Batafsil: xb.uz

Реклама

Каракалпак 24

28 Oct, 12:31


#Тайынлаў

Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары тайынланды

Жоллыбеков Владимир Бахтиярович – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри лаўазымына тайынланды.

В.Жоллыбеков тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасының Индонезия Республикасындағы елшиханасының саўда-экономикалық мәселелер бойынша кеңесгөйи лаўазымында жумыс алып барған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Oct, 12:20


Скидки до 30% на товары Xiaomi в Uzum Market ⚡️

Готовьтесь к тотальному обновлению электроники и техники по очень выгодным ценам.

От наушников до аэрогриля — десятки оригинальных товаров с доставкой за 1 день ждут вас в подборке.

➡️Отправиться за покупками⬅️

Каракалпак 24

28 Oct, 08:46


Қытайда ушатуғын автомобиллерди ислеп шығаратуғын завод қурылып баслады

Келеси жыллардан баслап Қытай ҳәм бир қатар раўажланған мәмлекетлерде ушыўшы таксилер хызмет көрсете баслайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Oct, 08:40


Олий Мәжлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўының дәслепки нәтийжелери:

🔵 ӨзЛиДеП ─ 64 орын (38 бир мандатлы округ, 26 бирден-бир округ);

⚪️️ Миллий тикланиш ─ 29 (15+14);

🔴 Адолат СДП ─ 21 (9+12);

🟣 ХДП ─ 20 (7+13);

🟢 Экопартия ─ 16 (6+10).

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

28 Oct, 08:30


⚡️⚡️⚡️Имтиҳансыз студент болың !

Нөкис медицина ҳәм ИТ техникумында 2024-2025-оқыў жылына қабыллаў даўам етпекте !

Жөнелислер:
Мийирбекелик иси - 3 жыл
Мийирбекелик иси -2 жыл
Фелдшер - 3 жыл
Фармация - 3 жыл

Ҳәзирақ бизге мүрәжаат етиң ҳәм имтиҳансыз студент болың

Мәмлекетлик диплом
Жумыс бериўши компаниялар менен эксклюзив шәртнама
Қосымша бийпул курслар

📄 Litsenziya (№058513, 14.01.2023-jıl)

☎️ Колл центр:
☎️ +998910983611
☎️ +998910973611
☎️ +998992089373

👉 @nukus_med_texnikumi

Реклама

Каракалпак 24

27 Oct, 17:46


❗️Президент пәрманына бола, 2025-жыл 1-январдан баслап:

Мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мәкемелеринде ана тили ҳәм әдебият және тарийх пәнлери бойынша Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған ҳәм усы пәнлерден сабақ беретуғын педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төлениўи белгиленген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 15:28


Даўыс бериў процеси жуўмақланды

Саат 20:00 де сайлаў участкаларында даўыс бериў процеслери жуўмақланды.

Ҳәзирги ўақытта даўысларды санап шығыў процеслери басланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 15:10


💵Жеңиллетилген тәлим кредитин ажыратып атырған банклер дизими

Ҳәзирги ўақытта төмендеги банклер студентлерге жеңиллетилген тәлим кредитин ажыратпақта:

▪️МКБанк — 1285
▪️БРБ банк — 1254
▪️СҚБ банк — 1180
▪️Агробанк — 1216
▪️Халық банки — 1106
▪️Миллий банк — 1344
▪️Ҳамкорбанк — 1256

❗️Еслетпе: Тәлим кредити алыў ушын talim-krediti.mf.uz порталына OneID арқалы кирип арза жибериледи.

"ONE ID" системасынан дизимнен өтиў ушын усы видео-қолланбаны көрип шығыўды усыныс етемиз.

Тәлим кредити бойынша толық мағлыўматты төмендеги силтеме арқалы билип алыўыңыз мүмкин:👇
https://t.me/KARAKALPAK24/35951

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 12:46


«Права» ушын қанша пул төленеди?

Министрлер Кабинетиниң 04.05.2021-жылдағы 271-санлы қарарына тийкар, миллий айдаўшылық гүўалығын бериў, алмастырыў ҳәм жойтылғаны орнына тазасын бериў ушын төмендеги муғдарларда жыйым өндириледи:

✔️биринши рет миллий айдаўшылық гүўалығын алыў – БЕМның 70% (262500 сум);

✔️бурынғы айдаўшылық гүўалығын тазасына алмастырыў – БЕМның 70% (262500 сум);

✔️жойтып алынған айдаўшылық гүўалығы орнына тазасын алыў – БЕМның 100% (375000 сум).

📨 Пуқара қәлесе айдаўшылық гүўалығын почта арқалы үйине алып келиўге буйыртпа бериўи де мүмкин. Буның ушын пуқара арзада почта арқалы алыўын көрсетиўи керек болады. Бунда почта қәрежети пуқара тәрепинен төленеди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 11:20


100 жастағы Иван ата сайлаўда даўыс берди

«Мениң таңлаўым-абат Ўатаным!» сүрени астында өткерилип атырған  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаў мапазы Төрткүл районында да қызғын даўам етпекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 10:20


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фархад Эрманов Нөкис қаласындағы Қумбыз аўыл мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 83-сайлаў участкасына барып, сайлаўда даўыс берди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 10:00


‼️ Қарақалпақстан Республикасы педагоглары ушын дағаза

Қатнасады: Информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары пәни оқытыўшылары
Ўақты: 2024-жыл 29-октябрь
Аттестация тести ѳткерилетуғын орны - Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы (бурынғы Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы)
Мәнзили: Нөкис қаласы Е.Алакѳз көшеси 54-жай, оринтир: МЕГА НУКУС саўда комплекси жанында.

❗️Талап етиледи: Шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм мүрәжат жибергенде толтырылған СОРАЎНАМА.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 09:53


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев Нөкис қаласындағы 20-сайлаў участкасына барып, сайлаўда қатнасты.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 09:50


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы 7-санлы сайлаў участкасына барып, даўыс берди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 08:11


#Пайдалы

Грипп мәўсими басланды: Кеселликтен қорғаныў ушын 5 әҳмийетли усыныс

🔹 Емлениў;
🔹 шипакерге мүрәжат етиў ҳәм имканы барынша үйде қалып емлениў;
🔹 Жәмийетлик орынларда нықап тағыў;
🔹 жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў, қоллардың тазалығы;
🔹 бөлмелерди тез-тез самаллатып турыў.

Гүзги-қысқы мәўсимде грипп ҳәм коронавирусқа шалыныў қәўипи артады. Бул кеселликлер үлкен жастағы адамлар, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм иммунитети төмен адамларда аўыр асқыныўлар менен өтиўи мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 06:45


Сайлаўда жас шаңарақлар белсендилик көрсетпекте.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 06:30


❗️️️Қазақстандағы Өзбекстан пуқаралары ескертилди

Кейинги күнлерде Қазақстан Республикасы аймақларында ҳаўа-райының кескин суўыўы нәтийжесинде жолларда ҳәрекетлениў менен байланыслы бир қатар қолайсызлықлар пайда болмақта. Сол себепли, Миграция агентлиги Қазақстанда болып турған ҳәм транзит жөнелисинде ҳәрекетленип атырған Өзбекстан пуқараларын ескертти.

Оған бола, жақын ҳәпте даўамында орынларда думан, күшли жаўын ҳәм жолларда музлаў жағдайлары республика дәрежесиндеги автомобиль жолларында ҳәрекетлениўде қыйыншылықларды жүзеге келтириўи мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен, усы мәмлекетте болып турған Өзбекстан пуқараларынан жолларда ҳәрекетлениўде барлық қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиўи, исенимли ҳәм қәўипсиз транспорт қуралларынан пайдаланыўы, зәрүрлик болмаған жағдайда узақ аралықтағы жолларда транспорт қуралларында ҳәрекетленбеўи соралады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 06:25


Пуқаралар дыққатына!!!
Каракалпакстанда тек ғана бизде компенсация!!!
Энергияны үнемлеў яки улыўма пул тѳлемей қосымша аўысқан хәр бир кВт электр энергияны 1000 сумнан сатып қосымша дәрамат табыў ушын үлкен имканият усыныс етемиз:

⚡️ 3 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 9 400 000 сумға (16 900 000 сум орнына!)
⚡️ 5 кВт қуяш электр станциясы тек ғана 18 500 000 сумға (26 000 000 сум орнына!)

Биз не усыныс етемиз?
15 жыллық кепиллик ҳәм 1 жыллық сервис хызмет
Жоқары сапалы үскенелер
Тез ҳәм исенимли хызмет

Шәртнама дүзиў ушын керекли хужжетлер:
1. турақ жайыңыздың кадастр ҳүжжети
2. Сиз турақ жай ийеси болыўыңыз яки сол жерде турақлы рухсатқа ийе болыўыңыз керек.

• Куяш панели ушын кеткен карежетинизди канша уакытта каплайсыз?
• 1000 сумнан сатып кашан канша дарамат таба аласыз?
• Сиз хазир токка канша толем толейсиз?

Бизден мәсләҳәт алыў ушын байланыс нѳмер:
+998953700155 +998953770155
Мәнзил:
🏛Нѳкис қаласы М.Жуманазаров кѳшеси 57 уй, бағдар Қарақалпағым кафе.

Реклама

Каракалпак 24

27 Oct, 06:20


Шавкат Мирзиёев сайлаўда даўыс берди

Президент шаңарақ ағзалары менен бирге Ташкент қаласы Мырза Улығбек районындағы 59-сайлаў участкасына барып, сайлаўда даўыс берди — ЎзА.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 04:44


8-ноябрь күнинен баслап өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалар, үйиңиз алдындағы қосымша огородлар нызамлы деп табылады

Пуқаралар тәрепинен 2018-жыл 1-майға шекем жеке тәртипте турақ жай қурыў арқалы өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықын және онда қурылған имарат ҳәм обектлерге болған мүлк ҳуқықын тән алыў ушын төмендеги шәртлерге әмел етилиўи керек:

бул жер участкасы басқа физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ажыратылмаған ямаса электрон онлайн-аукционға қойылмаған болса;

бул жер участкасынан пайдаланыў бойынша физикалық ямаса юридикалық шахслар арасында келиспеўшилик болмаса;

бул жер участкасы ушын жер салығы бойынша, онда қурылған имаратлар ҳәм обектлер ушын болса мал-мүлк салығы бойынша қарыздарлық болмаса.

❗️Нызам рәсмий түрде 2024-жыл 8-ноябрь күнинен баслап күшке киреди.

📄 Нызам менен танысыў

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

27 Oct, 03:52


Мүтәж пуқараларға электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдың тутыныў нормасынан асқан бөлеги компенсация етиледи

Энергетика тарифлериниң өзгергени мүнәсибети менен мүтәж пуқараларға электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлерди әмелге асырыўда жеңиллик бериледи.

Соннан, жылытыў мәўсими даўамында мүтәж шаңарақлардың электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдың тутыныўының базалық нормалардан асқан бөлеги компенсация етип бериледи.

Бунда:

компенсация тәбийғый газ ушын базадан нормадан артықша тутынылған 250 куб/метрге шекем, электр энергиясы ушын 150 кВт cаатқа шекем усынылады;

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген ҳәм «мәҳәлле жетилиги» жуўмағына бола анықланған мүтәж шаңарақлар компенсация ушын мүрәжат етиўи мүмкин болады;

«мәҳәлле жетилиги» тәрепинен қәлиплестирилетуғын мүтәж шаңарақлардың қосымша дизими тийисли мәҳәлледеги бирден-бир реестрге киргизилген шаңарақлар улыўмалық санынан 15 пайызынан аспайды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Oct, 21:20


🏆 «Барселона» Эл-Класикода «Реал»ды ири есапты жеңди

Реал Мадрид 0:4 Барселона

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

26 Oct, 17:50


🏆 Бүгин "Эл-класико"

Реал Мадрид vs Барселона

Басланыў ўақты: 00:00

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 15:25


Исбилерменнен артықша ҳүжжет сораған мәмлекетлик уйымлар жуўапкершиликке тартылады

Исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын және де қолайлы шараятлар жаратылады.

Атап өтилгениндей, кеше, 21-октябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-979-санлы, 21.10.2024-жыл) менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгери киргизилген.

Нызамға бола, исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларға берилетуғын есабат ҳәм статистика мағлыўматларының бирден-бир дизимине киргизилмеген статистика, қаржы, салық есабатын ҳәм басқа есабатты сондай-ақ нызамшылықта нәзерде тутылмаған басқа да ҳүжжетлерди, соның ишинде, банк есап бетин ашыўда артықша ҳүжжетлерди исбилерменлик субъектлеринен талап еткенлиги, сондай-ақ, усы бирден-бир дизимге киргизилген есабатты бериўдиң белгиленген мүддетлери ҳәм тәртибине қарсы түрде талап етип алғанлығы ушын жуўапкершилик белгилениўин нәзерде тутыўшы өзгерис киргизилмекте.

Нызам рәсмий жәрияланған күнден баслап күшке енгизиледи,-бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналында хабар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 15:00


❗️1-ноябрден баслап тәбийғый газ ушын халыққа орнатылған социаллық норма 5 есеге, яғный 100 куб/м ден 500 куб/м ге шекем арттырылады.

Онда ҳәр бир куб газ ушын 650 сум, егер лимиттен арса 1500 сум төлем белгиленген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 14:40


Халықаралық әҳмийетке ийе А380 "Ғузор - Бухара - Нөкис - Бейнеў" автомобиль жолының 964 - 1204 км аралығында реконструкция жумыслары жуўмақланып, ашылыў мәресимине таярлық жумыслары алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 14:19


Ҳаял-қызларға проценциз тәлим кредитин бериў тәртиби ҳаққында мағлыўмат

Президенттиң 2022-жыл 18-июлдағы ПҚ-323-санлы қарарына бола, төлемли-коньтрактта оқып атырған ҳаял-қызларға пайызсыз (0%) тәлим кредитин бериў системасы енгизилген.

Ол кимлерге бериледи?

Өзбекстандағы барлық жоқары билимлендириў мәкемелери студентлерине (мәмлекетлик, жеке меншик ҳәм сырт ел ЖООларының Өзбекстандағы филиаллары);
Орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери оқыўшыларына (техникум, кәсип-өнер колледжи ҳәм т.б.).

Қайси курсларга бериледи?

Барлық курстағыларға бериледи, 1-курс па, 3-курс па, парқы жоқ.

Қайси билимлендириў формасына бериледи?

✔️ тек қана күндизги билимлендириў формасына.

Төмендегилерге берилмейди:

супер-коньтракт;
сиртқи, кешки ҳәм аралықтан билимлендириў түрине;
қоспа билимлендириў;
екинши қәнигелик;
ординатура;
шет елдеги ЖООларға.

Төлеў қашаннан басланады?

Билимлендириў кредитиниң тийкарғы бөлеги студенттиң рәсмий оқыў мүддети жуўмақланғаннан кейин жетинши айдан баслап (яғный алты айдан соң) 7 жыл даўамында қайтарылады.

Мәселен, 7 миллион сум билимлендириў кредити алынса, оқыўды тамамлағанынан соң, 6 ай өтип, 7 жыл даўамында айма-ай 83 мың сумнан төлеп барылады.

Пайызсыз тәлим кредити алыў ушин кем тәмийинленген болыў керек пе?

Яқ, бул тәлим кредити шаңарақлық жағдайына қарамастан барлық ҳаял-қызларға бериледи, тек ғана "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргенлерге, мүтәж шаңарақларға бериледи, деген гәп надурыс.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 14:09


UZTELECOMdan uzoq kutilgan yangilik 🥳

🎉 UNLIM xizmati: muloqotni yaxshi ko‘radiganlar va har doim dolzarb voqealardan xabardor bo‘lishni istaganlar uchun!

UZTELECOMning yangi UNLIM xizmati bilan sevimli platformalaringizga ♾️cheksiz kirish imkoniyatiga ega bo‘ling. WhatsApp, Telegram, Instagram, YouTube va boshqa mashhur servislar endi bitta cheksiz paketda – va sizning telefoningizda! 📱

💵 Narxlar:
💬 Messenjerlar –17 000 so‘m/oy
📱 Ijtimoiy tarmoqlar – 12 000 so‘m/oy
🎵 Musiqa – 7 000 so‘m/oy
🎥 Video – 17 000 so‘m/oy

⭐️Ulaning va har doim dolzarb voqeliklardan xabardor bo‘ling!

Batafsil
Onlayn ulaning

UZTELECOM – doimo Sizga yaqin bo‘lgan operator!

MyUZTELECOM | Telegram | Facebook | Instagram | Website

Реклама

Каракалпак 24

25 Oct, 13:55


Қырғызстанда онлайн пул өткермелеринде комиссия алыў қадаған етиледи

Мәмлекет банклерге сўмда әмелге асырылатуғын онлайн өткермелер ушын пуқаралардан комиссия өндириў қадаған етиледи. Миллий банк тийисли қарар қабыл етти.

Бул иләжлар халықтың барлық қатламлары ушын банк хызметлеринен пайдаланыў имканиятын тәмийинлеў ҳәм банк тараўына санлы технологияларды енгизиў процесин тезлестириўге жәрдем бериўи күтилмекте. Қарар 2024-жыл 25-ноябрден күшке киреди ҳәм 2025-жыл 31-декабрге шекем әмел етеди.

Қарарға бола, шеклеў мобил қосымшалар ҳәм интернет-банкинг арқалы әмелге асырылатуғын операцияларға тийисли. Қарардың орынланыўын қадағалаў Миллий банк басқармасы ағзасына жүкленген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 13:39


2050-жылға барып жер жүзинде еркеклер өлими кескин артады

Австралияның Квинсленд университетинде өткерилген изертлеўге бола, рак кеселлигинен өлип атырған еркеклер саны 2050-жылға барып кескин артады.

185 мәмлекетте дизимге алынған денсаўлықты сақлаў көрсеткишлери тийкарында алып барылған изертлеўлер рак кеселликлери санының артып барыўын көрсетпекте.

Буннан тысқары, тери ракы, простата ҳәм өкпе ракы менен кеселленгенлер саны көбееди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 12:34


🌧 Дем алыс күнлери жаўын жаўады

27-октябрде Қарақалпақстан Республикасында ҳәм Хорезм ўәлаятының айырым жерлерде жаўын жаўады.

Ҳаўаның температурасы күндиз 27-октябрде 17-19° әтирапында болады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 12:08


❗️Егер газли ишимликлерди тез-тезден ишетуғын болсаңыз сизде төмендеги кеселликлер раўажланады:

Баўыр жетиспеўшилиги;
тис эмальының жемирилиўи;
Жүрек кеселликлери;
Остеопороз;
Семизлик;
Қантлы диабет (Саҳар)

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 08:12


☎️ Министрликлердиң исеним телефон номерлери:

▪️Ишки ислер министрлиги 1102
▪️Қурылыс министрлиги 1298
▪️Аўыл хожалығы министрлиги 1243
▪️Айрықша жағдайлар министрлиги 1101
▪️Денсаўлықты сақлаў министрлиги 1003
▪️Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги 1006
▪️Экономика ҳәм финанс министрлиги 01115
▪️Транспорт министрлиги 1167
▪️Әдиллик министрлиги 1008
▪️Санлы технологиялар министрлиги 1199

▪️Мәденият министрлиги
+99855 502-33-75
▪️Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги
+99871 256-52-90
▪️Инвестициялар, саўда-санаат министрлиги
+99871 238-50-05
▪️Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги
+99871 202-09-09
▪️Экология министрлиги
+99871 207-11-07
▪️Бәнтлик министрлиги
+99871 203-01-41
▪️Суў хожалығы министрлиги
+99871 202-47-00
▪️Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги
+99871 239-24-52
▪️Сыртқы ислер министрлиги
+99871 233-28-28
▪️Энергетика министрлиги
+99871 231-81-18
▪️Қорғаныў министрлиги
+99871 269-81-72

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 07:56


🛋"MEBEL ORAYI"

😒 Мебел ҳәм уй техникаларын алыўыңыз керек, бирақ ҳәзир қарежетиңиз болмай турма?
Онда бул имканият сиз ушын;

🤩Үйиңиз ҳәм офисиңизге мебель уй техникалары, люстра, гилемлер, есик, ноутбук ҳәм телефонларды ҳеш қандай басланғыш төлемлерсиз 1 жылда бөлип төлеў шарти менен алыў ушын "Mebel Orayı" мызға мәрҳәмат!

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, А. Досназаров 8а жай. Бағдар: Прогресс мектеби

📞Телефон: (91)3821234                       

Реклама

Каракалпак 24

25 Oct, 03:49


❗️Кембағал шаңарақларға үй-жай ремонтлаў ушын жеңиллетилген кредит ажыратыў бойынша ҳүкимет қарары қабыл етилди:

Кредит мүддети: 20 жылға шекем.
Проценти: бүгинги күнде 17,5 процент.
Муғдары: 120 млн сўмға шекем.
Дәслепки төлем ушын: 15 процент субсидия да бериледи.
Кредит ажыратыў схемаға тийкарланып 10 күн мүддетте ажыратылады.

Қаржылар кредит алыўшының пластик картасына өткерилиўи мүмкин.

Кембағал шаңарақларға үй-жай ушын берилетуғын жеңиллетилген кредитлер "мәҳәлле жетилиги"ниң усынысы тийкарында ажыратылады.

Талапкерлер ҳәким жәрдемшиси тәрепинен "онлайн–мәҳәлле" платформасына киргизиледи.

Кембағал шаңарақларға үй-жай шараятын жақсылаў ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредитлер барлық кембағалларға да ажыратылмайды.
Соның ишинде, қарыз алыўшы турақлы ҳәм жетерли дәрамат дерегине ийе болыўы керек екенлиги қарар менен белгилеп қойылды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 03:37


⚡️25-октябрь — Өзбекстан Республикасы Ишки ислер органлары хызметкерлери күни!

Ҳүрметли тынышлық сақшылары!
Ел тынышлығын тәмийинлеўде аянбастан хызмет етип атырған барлық азаматларды кәсиплик байрамы менен қутлықлаймыз!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

25 Oct, 03:05


Президент 25-октябрь «Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен бир топар хызметкерлерди сыйлықлады.
Олар арасында Қарақалпақстаннан:

🎖«Шуҳрат» медалы менен:

Казахбаев Малик Пердебаевич — Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы патруль-пост хизмети инспектори.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 16:10


❗️Дыққат, еслетпе!

Ҳүрметли пуқаралар, жылытыў қазанханаларының морыларын тазаламай турып қоспаң!!! 90% жағдайда морылардың тығылып қалыўы нәтийжесинде пуқаралар зәҳәрли газден зыянланбақта.

☝️Умытпаң, зәҳәрли газ ийиске, дәмге ҳәм көриниске ийе болмаған инсан ден-саўлығына ҳәмде өмирине қәўипли болған көзге көринбес жаў.

ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 13:35


Кегейлиши қыз Уллы Британияға оқыўға қабылланды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 4-курс студенти кегейлиши Нурсулыў Қоқанова «Эл-юрт умиди» фондынан 100 процентлик грант жеңип алыўға миясар болды ҳәм Уллы Британияның Рединг университетине Arts-TESOL бағдары бойынша оқыўға қабылланды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 13:00


❗️1-ноябрден баслап тәбийғый газ ушын халыққа орнатылған социаллық норма 5 есеге, яғный 100 куб/м ден 500 куб/м ге шекем арттырылады.

Онда ҳәр бир куб газ ушын 650 сум, егер лимиттен арса 1500 сум төлем белгиленген.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 12:46


💰 Майыплығы болған шахслардың дәраматларының бир бөлеги салықтан азат етиледи

📑 Нызамшылыққа бола, балалықтан майыплығы болған шахслар, соның менен бирге I ҳəм II топар майыплығы болған шахслар мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси муғдарындағы дəраматларының бир бөлеги салық салыўдан азат етиледи.

👉 Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медициналық-социаллық эксперт комиссиясының мəлимлемеси тийкарында бериледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 12:40


⚡️Бүгин пайтахтымыздағы орайлық амфитеатр алдында Гала концерт өткериледи

Гала концертте Қарақалпақстан эстрада қосықшылары ҳәмде ди-джейлер қатнасады.

Басланыў ўақты саат 18.00де

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 12:36


BIZNES FINANS MMT NÓKIS FILIALÍ
 
MIKROQARÍZ GIREW TIYKARÍNDA (ALTÍN BUYÍMLARÍ, AVTOKÓLIK HÁM KÓSHPES MÚLK)
 
GIREWGE MASHINA HÁM KÓSHPES MÚLK QOYÍLSA
300 000 000 SUMǴA SHEKEM
MASHINANÍŃ JÍLÍNA QARAP
2 SAAT ISHINDE
2 JÍLǴA SHEKEM
NAQ PULDA BERILEDI
GIREW NOTARIUS ARQALÍ SHEKLEWGE QOYÍLADÍ.
 
GIREWGE ALTÍN BUYÍMLARÍ QOYÍLSA
800 000 SUMǴA SHEKEM BAHALAW ESABÍNDA
TÓMEN PAYÍZLARDA
10 MINUT ISHINDE (ALTÍNNÍŃ KÓPLIGINE QARAP)
1 JÍLǴA SHEKEM
NAQ PULDA BERILEDI
 
☑️KREDIT ALÍW USHÍN OFISIMIZGE XABARLASSAŃÍZ BOLADÍ 
 
MÁNZIL: NÓKIS QALASÍ, T.QAYIPBERGENOV KÓSHESI, 65 JAY.
 
📞BAYLANÍS USHÍN TELEFONLAR 
+99899 415 3003
+99899 418 3003
INSTAGRAM: BIZNES_FINANS_NUKUS
TELEGRAM: @BIZFIN_NKS

Реклама

Каракалпак 24

24 Oct, 10:40


🤖👮🏻‍♂️ Қытайда полицияшы робот пайда болды

Ислеп шығарыўшылардың айтыўынша, робот жынаятшыларды жасалма интеллект жәрдеминде еркин түрде саатына 35 км.ге шекем тезликте қуўып барып, полиция келгенге шекем оларды ҳәрекетсиз қалдыра алады.

Сондай-ақ, робот суўда жүзе алады, тегис емес жолларда ҳәрекетленеди, ылайдан қорықпайды ҳәм бийикликтен аңсатлық пенен секире алады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 10:25


#Пайдалы

Екинши қан топарында инсулт қәўипи жоқары

Илимпазлар қан топары ҳәм ерте инсулт қәўпи арасындағы байланысты анықлады.

Изертлеўлерге қарағанда, екинши қан топарындағы жасрақ адамларда инсулт итималлығы басқа қан топары ийелерине қарағанда 16 процентке жоқары.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 09:50


#Тайынлаў

Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары тайынланды

Тешаев Шуҳрат Жорақулович — Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Ол буған шекем Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығының биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 09:40


#Тайынлаў

Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри тайынланды

Қайыпов Дәрьябай Жаксыбаевич — Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри лаўазымына тайынланды.

Ол усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 09:35


Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы «пахта планы» бойынша мағлыўмат

Ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасында мәўсим басынан берли 155 478 тонна пахта терилип, «план»ды 58.0% ке орынлаған.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 09:28


📢📢📢 ДЫККАТ ДЫККАТ

"FARUS" НАТЯЖНОЙ ПОТОЛОК ФИРМАСЫ КАРЫЙДАРЛАРЫ УШЫН ЖАКСЫ ЖАНАЛЫК🤩

ЕНДИ СИЗ БИЗГЕ ПОТОЛОК БУЙЫРТПА БЕРЕТИН БОЛСАНЫЗ 🎆

5% ЕМЕС 10% ЕМЕС

15%
30%
СЫРЛЫ САУГА

БИРИНИН ИЙЕСИ БОЛЫУЫНЫЗ МУМКИН😉

АСЫГЫН ОРЫНЛАР САНЫ ШЕКЛЕНГЕН ‼️

ОЛШЕМ АЛЫУ, КУРЫП БЕРИУ БИЙПУЛ 🛠

ТОЛЫК МАГЛУМАТ УШЫН:
@farus_menedjer

☎️☎️☎️:
+998904242040
+998932422040

Реклама

Каракалпак 24

24 Oct, 06:30


❗️Алымлар биринши мәрте түс көрип атырған еки адам арасында байланыс орнатыўға еристи

Илимпазлар арнаўлы әсбап-үскенелер жәрдеминде үйдиң түрли шетлеринде уйықлап атырған еки адамның ой-пикирин байланыстырды ҳәм олар өз-ара хабар алмасты.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 06:21


❗️Телеграм мoшенниклери және де раўажланбақта

Сәлем, мына сүўреттеги сиз бе? деп вирус файл жиберип атыр, ҳәтте бул хабарды сизиң жақыныныз, достыңыз атынан жиберип атыр.

Файлды ашсаңыз тамам, телефоныңызға жалғанып, картаңыздағы пулларыңызды шешип алады.

Жақынларыңызға жиберип ескертип қоямыз!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

24 Oct, 06:01


Aksiya tugashiga ham 1 hafta qoldi 🤓

31-oktyabrgacha barcha Elmakon do'konlarida texnikalar 99 000 so‘mdan 299 000 so‘mgacha

Ajoyib taklifdan foydalanish Elmakon do‘konlariga tashrif buyuring va maksimal foyda bilan muddatli to‘lovga xarid qiling.

Sizlarni Elmakon doʻkonlarimizda kutib qolamiz!

Batafsil: | Подробно:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Instagram | Bizning saytimiz | Do‘konlarimiz

Реклама

Каракалпак 24

20 Oct, 14:18


❗️Қорқынышлы статистика: Өзбекстанлылардың 61,1 проценти жүрек-қан тамыр кеселликлеринен қайтыс болмақта

Халықтың 12,4 проценти болса басқа түрли кеселликлерден қайтыс болмақта. Хош, кеселликтиң көбейиўине не себеп болмақта?

Бүгинги күнде адамлардың ҳәдден тыс агрессив болып қалыўы, көшелердеги тығылысларда, киши машқалаларға тез ашыўланып кетиўи кеселликтиң келип шығыў себеби сыпатында көрсетилмекте.

Атап өтилиўинше, кейинги жыллары инсульт ҳәм инфаркт сыяқлы жүрек-қан тамыр кеселликлерине шалыныў сезилерли дәрежеде "жасқармақта." Ҳәттеки жақында 16 жасар жигит де инсульт ақибетинде қайтыс болды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 13:33


❗️Нызамшылықта муғаллимлерге берилген айырым жеңилликлер менен танысың

🔹1-октябрь "Муғаллимлер ҳәм устазлар күни" деп белгиленген ҳәм бул күн байрам (дем алыс) күни есапланады.

🔹Балаларға тәлим-тәрбия беретуғын барлық педагог хызметкерлер турақлы түрде бийпул медициналық тексериўден өткериледи.

🔹Педагоглар ушын 56 күнлик жыллық ҳақы төленетуғын узайтырылған дем алыслар бериледи.

🔹Педагог хизметкерлер ушын жумис ўақтының даўамыйлығы ҳәптесине көби менен 36 саат етип белгиленеди.

🔹 Мектеп муғаллимлерине жумысты баҳалаў нормалары тийкарында 10 проценттен 40 процентке шекем, китапханашы ҳәм психологларға 10 проценттен 20 процентке шекем үстеме белгиленеди.

🔹 Пән олимпиадасының жеңимпазын таярлаған оқытыўшылар хошаметленеди.

🔹Муғаллимлер наўқас болып қалганда материаллық жәрдем бериледи.

🔹Олимпиада жеңимпазы болған муғаллимлерге 150 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Өзи сабақ беретуғын пән бойынша халықаралық тән алынған ҳәм миллий сертификатқа ийе болған муғаллимлерге олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

🔹"Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп" таңлаўының жеңимпазы болған мектепке ярым миллиард сум бериледи.

🔹Инклюзив класс муғаллимлерине 40 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Алыс аймақларда сабақ берип атырған муғаллимлерге 50 процентке шекем үстеме бериледи.

🔹Математика, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшыларға ақшалай пул сыйлығы бериледи.

🔹Көп жыллық стажға ийе педагоглар мәжбүрий аттестацияга тартылмайды.

🔹Халықаралық пән олимпиадаларын таярлаған оқытыўшыларға маманлық категориясы аттестациясыз бериледи.

🔹Республикалық пән олимпиадасы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлердиң маманлық категориясы бир басқышқа арттырылады.

🔹Медицина тараўы профессор-оқытыўшыларына емлеў-диагностика жумысларын орынлағаны ушын қосымша ҳақы төленеди.

🔹Билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери пәни муғаллимлерине айлық үстемелер бериледи.

❗️Оқытыўшылардың жумысына араласқанлық ушын жуўапкершилик бар.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 09:20


🔰 2024-жыл 1-октябрден баслап Өзбекстан аймағында:

🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 155 000 сўм;

🔹базалық есаплаў муғдары – 375 000 сўм;

🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 428 000 сўм;

🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 834 000 сўм;

🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 920 000 сўм;

🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 920 000 сўм;

🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (834 000 сўм)нан 920 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 920 000 сўм.

🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 745 000 сўм;

🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 745 000 сўм.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 09:11


ЕРТЕҢ ТИЙКАРҒЫ ПӘН ОЛИМПИАДАСЫНА СТАРТ БЕРИЛЕДИ

Усы жылдың 21-25-октябрь күнлери улыўма билим бериў мектеплериниң 9-11-класс оқыўшылары арасында тийкарғы пән олимпиадасының район(қала)лық басқышы төменде көрсетилген күнлери ѳткериледи.

➡️ 21-октябрь күни – тарийх, география, қазақ тили, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнлеринен;

➡️ 22-октябрь күни – инглис тили, немис тили, француз тили, мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары пәнлеринен;

➡️ 23-октябрь күни – химия, рус тили ҳәм әдебияты, қарақалпақ (мәмлекетлик) тили пәнлеринен;

➡️ 24-октябрь күни – биология, физика, информатика ҳәм мәлимлеме технологиялары пәнлеринен;

➡️ 25-октябрь күни – математика, өзбек тили ҳәм әдебияты, өзбек (мәмлекетлик) тили пәнлеринен.

☝️Еслетип өтемиз: Тийкарғы пән олимпиадасының район (қала)лық басқышы жоқарыда берилген КЕСТЕ бойынша улыӯма билим бериӯ мектеплеринде өткериледи.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 09:01


⚡️ Сапалы есиклер 15 күнде үйиңизде болады

⚡️ Есиклеримиз 5 жыллық кепилликке ийе

⚡️ «Kushmag» компаниясы сизге ең сапалы есиклерди усынады

🚚 Есиклерди мәнзилге шекем жеткерип бериў

🚪Қурып бериў хызметлери бийпул

🎁 Октябрь айының ақырына шекем буйыртпа берсеңиз топса бонусқа бериледи

☎️ +998975063003
+998975003013

Каракалпак 24

20 Oct, 08:12


Келешек экскваторы менен танысың.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 04:31


Келешек экскваторы менен танысың.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 03:40


❗️Телеграм мoшенниклери және де раўажланбақта

Сәлем, мына сүўреттеги сиз бе? деп вирус файл жиберип атыр, ҳәтте бул хабарды сизиң жақыныныз, достыңыз атынан жиберип атыр.

Файлды ашсаңыз тамам, телефоныңызға жалғанып, картаңыздағы пулларыңызды шешип алады.

Жақынларыңызға жиберип ескертип қоямыз!

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 03:25


Қанлыкөлде заманагөй бәндирги пайдаланыўға тапсырылды.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 03:15


Денсаўлықты сақлаў министрлиги пуқаралардан медицина тараўындағы коррупциялық жағдайлар бойынша хабар бериўди сорады

"Егер денсаўлықты сақлаў системасында коррупция менен байланыслы жағдайларға дус келсеңиз, 71 241-10-65 ямаса 1203 қысқа исеним телефонына қоңыраўыңыз мүмкин," делинеди хабарда.

Буннан тысқары, пуқаралар өз мүрәжатларын Телеграм боты, 1003 қысқа санлы Цалл-орай ҳәм [email protected] электрон почта мәнзили арқалы да жибериўи мүмкин.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги пуқаралардың ҳеш бир мүрәжаты итибардан шетте қалмайтуғыны ҳәм мағлыўматлардың сыр сақланыўын кепиллейтуғынын билдирди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 03:10


Мектеплерде гүзги дем алыс 4-ноябрден басланады

Улыўма билим бериў мектеплери ушын биринши шеректиң ақырғы оқыў күни 3-ноябрь, 4-ноябрден гүзги дем алыстың биринши күни.

Оқыў жылының 2-шереги 10-ноябрден басланады.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

20 Oct, 03:00


”UMU mektebi” nde
21 oktyabr ku’ni
🕗14:00 de
📍26- kishi rayon filialimizda

“IP consulting” tiykarın salıwshı
Islam Primbetov penen “Qarjını durıs basqarıw” atlı sáwbet bolıp ótedi.

Paydalı mag’lıwmatlar;
Coffee break;
Soraw juwaplar-bolıp ótedi.

Bársheni qatnasıwg’a shaqırıp qalamız!

🤩"UMU mektebi"-sizin' imkaniyatların'ız orayı!

Baylanıs nomeri: ⬇️⬇️

☎️ +998 99 411-04-22

📲Instagram
📲Telegram

Реклама

Каракалпак 24

19 Oct, 19:14


❗️Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда UZCARD карталары ислемей атыр!

Ҳәзирги ўақытта бул карталардан төлемлерди улыўма әмелге асырыў мүмкин емес, баланс та көринбейди.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Oct, 15:30


Телеграм компаниясы Өзбекстанда өз офисин ашыўы мүмкин

Бул ҳаққында компанияның Linkedln бетинен мәлим болмақта.

Компания Өзбекстандағы офис директоры лаўазымына ваканция жәриялаған. Офистиң қашан ашылатуғыны ҳаққында мағлыўмат берилмеген.

Мағлыўматларға тийкарланатуғын болсақ, Өзбекстанда телеграмның дерлик 29 миллион пайдаланыўшысы бар.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Oct, 15:21


2025-жыл 1-январдан баслап Өзбекстанда автобусларда жол ҳақысы ушын нақ пулдан ўаз кешип, толық электрон төлем системасына өтиледи

"Бәндиргилерге нақ пулға билет ямаса ҚР-код сатып алыў имканияты жаратылады. Көпшилик бәндиргилерге инфокиосклар орнатылады. Ҳәзир бул тәжирийбе Ташкент қаласында сынақтан өткерилмекте.
Барлық автобусларға усы ҚР-кодларды оқай алатуғын девайслар орнатылады. Олар орнатылғаннан кейин, тәбийий коньдукторлар ислемейди. Себеби нақ пулды жыйнаў зәрүрлиги қалмайды
," деген транспорт министри.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Oct, 15:12


BIZNES FINANS MMT NÓKIS FILIALÍ
 
MIKROQARÍZ GIREW TIYKARÍNDA (ALTÍN BUYÍMLARÍ, AVTOKÓLIK HÁM KÓSHPES MÚLK)
 
GIREWGE MASHINA HÁM KÓSHPES MÚLK QOYÍLSA
300 000 000 SUMǴA SHEKEM
MASHINANÍŃ JÍLÍNA QARAP
2 SAAT ISHINDE
2 JÍLǴA SHEKEM
NAQ PULDA BERILEDI
GIREW NOTARIUS ARQALÍ SHEKLEWGE QOYÍLADÍ.
 
GIREWGE ALTÍN BUYÍMLARÍ QOYÍLSA
800 000 SUMǴA SHEKEM BAHALAW ESABÍNDA
TÓMEN PAYÍZLARDA
10 MINUT ISHINDE (ALTÍNNÍŃ KÓPLIGINE QARAP)
1 JÍLǴA SHEKEM
NAQ PULDA BERILEDI
 
☑️KREDIT ALÍW USHÍN OFISIMIZGE XABARLASSAŃÍZ BOLADÍ 
 
MÁNZIL: NÓKIS QALASÍ, T.QAYIPBERGENOV KÓSHESI, 65 JAY.
 
📞BAYLANÍS USHÍN TELEFONLAR 
+99899 415 3003
+99899 418 3003
INSTAGRAM: BIZNES_FINANS_NUKUS
TELEGRAM: @BIZFIN_NKS

Реклама

Каракалпак 24

19 Oct, 15:06


❗️Контракт”тан 12% дәрәмат салығын қайтарып алыў бойынша видеоқолланба

“Контракт”тан 12% дәрәмат салығын қайтарып алыў ушын салық органларына бармастан, my3.soliq.uz сайты арқалы шәртнама ҳәм төлем ҳүжжетлерин бириктирген ҳалда декларация жибериў мүмкин.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Oct, 14:41


🚘 Дүньядағы еӊ қымбат автомобиллердиӊ ТОП 5 рейтинги

1⃣ KOENIGSEGG CCXR TREVITA
Баҳасы – 4,8 млн доллар.
Алмастай жаркырап турыўы менен итибарды тартады. 1.004 ат күшине ийе. Оныӊ тек ғана 2 модели ислеп шығарылған.

2⃣ LAMBORGINI VENENO ROADSTER
Баҳасы – 4.5 млн доллар.

Ол күшли тезликте ҳәрекетлене алыўы, дизайны, 6,5 литрли  В12 двигательге ийе болғанлығы менен басқа автомобиллерден ажыралып турады.

3⃣ LYKAN HYPERSPORT
Баҳасы – 3.4 млн доллар.

Ол дәслеп, араб спорт автомобили сыпатында дүньяға белгили болған. Оныӊ ҳәрбир LED лампалары қымбатбаҳалы таслар менен безелген. Сондай-ақ, Абу-Даби милициялары да хызмети даўамында усы автомобильден пайдаланады.

4⃣ LIMITED EDITION BUGATTI VEYRON BY MANSORY VIVERE
Баҳасы – 3.4 млн доллар.
Ол тез ҳәрекетленетуғын автомобиллер дизиминде дәслепки орынларда турады. Бул машина 2005-жылдан берли ислеп шығарылады. Сондай-ақ, Дубай милиция хызметкерлери оннан патруль машинасы ретинде де пайдаланады.

5⃣ ASTON MARTIN VALKRYIE
Баҳасы – 3.2 млн доллар
.
Дизайны ҳәм дүзилисине қарағанда ол бәйги машиналарына уқсайды. Машинаныӊ ортаӊғы бѳлегинде В12 двигатели жайласқан.

👉 @Karakalpak24

Каракалпак 24

19 Oct, 14:31


👾 Kia'dan "Baxtli soatlar" aksiyasi - 20% gacha chegirmalar!

☄️"Baxtli soatlar" asksiya tugashiga 2 kun qoldi. Kia premium avtomobilining egasiga aylanish imkoniyatini boy bermang.

🔥Avtomobillar mavjudligini  bilish uchun eng yaqin dilerlik markazlariga  tashrif buyuring.

Shoshiling, taklif cheklangan!

📞Batafsil ma’lumot +998555001331 yoki Kia.uz saytida

Реклама

Каракалпак 24

19 Oct, 13:28


☀️ Ҳаўа райы ысып баслайды

Дем алыс күнлери ҳаўаның температурасы +28 градусқа шекем көтериледи — Өзгидромет.

👉 @Karakalpak24

129,060

subscribers

20,631

photos

5,258

videos