ШЕЖИРЕ @shejireqr Channel on Telegram

ШЕЖИРЕ

@shejireqr


Руўхый ағартыўшылық каналы. Уран - Ат сораспақ Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үмметти.

Байланыс ушын:

Хатлар ушын. @shejire_bot

Чат: https://t.me/shejireqrchat

ШЕЖИРЕ (Uzbek)

ШЕЖИРЕ - ҳаммамизни бирла ёзувкорлигингиз учун амудар канал. Бурнада Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнинг умматидан муҳим хабарлар ва илмий маълумотлар юкланади. Чатда фикрларни алмаштириш ва саволларни ўтказиш мумкин. Ушбу канал арафасида бўлган банди: @shejire_bot. Агар сизда савол ёки таклиф бўлса, биз билан ёзишиш учун буйруқ ёзинг. Хуш келибсиз! Бизга ёзиш учун: https://t.me/shejireqrchat

ШЕЖИРЕ

09 Apr, 06:44


9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн

1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенин аңлатады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

👉 @shejireqr

ШЕЖИРЕ

09 Apr, 06:31


https://telegra.ph/%D2%9Aara%D2%9Balpa%D2%9Bstanny%D2%A3-m%D3%99mleketlik-suvereniteti-ha%D2%9B%D2%9Bynda-tijkarynan-eki-pikir-boldy-11-14
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы

Канал👉 @shejireqr

ШЕЖИРЕ

02 Apr, 05:24


🌺 ХАЛҚЫМ САҚ БОЛАЙЫҚ ҚЫЗЛАРЫМЫЗҒА

Бар айыпты төнкерместен заманға,
Алып топылмастан, адам- адамға,
Таплатпай намысын нәкас, наданға,
Халқым сақ болайық қызларымызға.

Айтайын келген де гәптиң қолайы,
Қыз бала емес пе, елдиң шырайы?
Миллет едик, қыз сыйлаған удайы,
Биз қорған болайық қызларымызға.

Азаматлар кийген басына бөрик,
"Ар ушын қара кий"- абырой шерик,
Ҳәр бирин көз қарашығыңдай көрип,
Қалқаны болайық қызларымызға.

"Бос усласаң қолды қыяды қамыс,-
Ерди өлтиреди, демей ме намыс?",
Тәрбиялап, жат иллетлерден алыс,
Көз қулақ болайық қызларымызға.

Ашылмай атырып он гүлден бири,
Тықпайық солдырып, гөрине тири,
Кетпейди жуўсаң да кеўилдиң кири,
Пәрмана болайық қызларымызға.

Миллет келешеги- болажақ Ана,
Қара шаңарақтан... алады саға,
Аўҳалға түсирмей, услатар жаға,
Халқым бек болайық қызларымызға.

Ақшолпан Аманияз 09.02.2022 жыл

"Шежире" руўхый-ағартыўшылық каналы👉 @shejireqr

ШЕЖИРЕ

13 Mar, 10:11


КАЛЕНДАРЬ

Ислам календары бойынша ҳәзир 1445-жылда жасап атырмыз. Ислам календары бир жылда 365 (366) күн емес, ал  354 (355) күннен ибарат. Айдың толыўы бойынша есапланады (лунный календарь). Сол ушында Рамазан (ораза) айы жылда 10-11 күнге жылжыйды.

JKR.

Канал👉  @shejireqr

ШЕЖИРЕ

07 Mar, 06:50


Ертең - 8 март байрамы. Бул күнге дуньяның  28 елинде - рәсмий мәмлекетлик байрам статусы берилген. Олар-Балтық бойы еллеринен басқа бурынғы СССР республикаларынан барлығы, сондай-ақ  Аўғаныстан, Ангола, Буркино-Фасо, Камбоджа, Қытай, Куба, Гвинея-Бисау, Эритрея, Лаос, Мадагаскар, Монголия, Непал, Уганда, Вьетнам, Замбия, Германия еллери. Сондай-ақ, бул күн - 30-дан аслам елде-дем алыс күни, ал он үш елде-байрам болғаны менен жумыс күни саналады.

Канал👉  @shejireqr

ШЕЖИРЕ

07 Mar, 06:48


https://telegra.ph/8---MART---HALY%D2%9A-ARALY%D2%9A-%D2%B2AYAL---%D2%9AYZLAR-K%D2%AENI-03-05
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы

Канал👉 @shejireqr

ШЕЖИРЕ

04 Mar, 07:53


БАЙРАМ АНЕКДОТЫ

Гүлжан, 8-март байрамың ким ойлап тапқан?    
Клара Цеткин ҳәм Роза Люксембург деген немис апайлар.            
Оларға оның не кереги болған?    
Мениңше,  гүл сатыўшы қызлар болса керек...

👉  @shejireqr

ШЕЖИРЕ

08 Feb, 15:09


https://telegra.ph/%D2%9AARA%D2%9AULA%D2%9A-10-20
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы

Канал👉 @shejireqr

ШЕЖИРЕ

02 Jan, 18:21


ТУЎЫЛМАҒАН ГӨДЕКЛЕРГЕ ҲӘЙКЕЛ


🥀 Словакияда жайласқан бул ҳәйкел аборт себепли ерте өмирден кеткен балалар ушын орнатылған.

Ҳәйкел астына "Анажан жылама, мен сени бәрибир жақсы көремен" деп жазылған.🥲🤱

💥 Жәҳән ден саўлықты сақлаў шөлкеми мағлыўматларына көре, бүгинги күнде ҳәр жылы шама менен 25 миллион ҳәйел тәрепинен аборт әмелге асырылып атыр.

Канал👉  @shejireqr

ШЕЖИРЕ

02 Jan, 15:01


КҮЙДИРИП ТУР ШАҚЫРЫҚ...

Қосығыма қылып бүгин тақырып,
Алайын, қалмастан сабрым сарқылып,
Тумлы тустан келип қос- қостан хабар,
Күнде- күнде күйдирип тур шақырық.

Айлықты жеткериў бәрине қыйын,
Ҳәррениң уясындай ашыйды мыйың,
Бул барыстан таппай кетесең үйиң,
Адамды мийайлан етип  шақырық.

Күнине екеўден, бир айда алпыс,
Садақа десе де, болмайды қалыс,
Болмаса түсетин көлденең табыс,
Ҳалыңа маймыллар жылар шақырық.

Бир хабар Нөкистен, бир хабар Мойнақ,
Аз болып турғандай тап аўыл аймақ,
Ашыйды ишиң... жол кирейди ойлап,
Дизимнен жол хақың мығым шақырық.

Бунша көп болмаса тойлардың түри,
Биринен қутылсаң, таяр тур бири,
Диңкилдеп қудайдың ҳәр қутлы күни,
Айымызды алып турсаң шақырық.

Келин той, сүннет той, мейли ол сүннет,
Дәстүрге садықлық, миллетке ҳүрмет,
Ас көп деп: көбейтип саның қүдирет,
Өкпемизди өширдиң ғой шақырық.

Ишип- жеп, кийим- киймейме халық?
Қыйналдық айлықты көтермей қалып,
Қашанғы барамыз... қарызлар алып,
Кәпин гәдә... қыла көрме... шақырық.

Той десе, қуўанатуғын- ек бурын,
Ҳәзир ғой жыйырып турамыз мурын,
Кеўилиң хош болмас, болмаса пулың,
Тығының ағылып кетти шақырық.

Қосығымның үштен екиси шынлық,
Кимге қәйдем, маған түйилди сумлық,
Пул қайда?... бәрҳама жумсаўға бурқып,
Пенсия, айлық, көбеймесе шақырық.

Ырабайы менен болсын да тойлар,
Адамлар бармекен?... буны бир ойлар,
Мақтанып барар- ек көрсетип бойлар,
Айыпты төңкермей саған шақырық.

Ақшолпан Аманияз
"Шежире" руўхый-ағартыўшылық каналы👉 @shejireqr

ШЕЖИРЕ

31 Dec, 13:44


ЖАҢА ЖЫЛ ТИЛЕКЛЕРИ

Жаңа жылды қарсы алайық қатырып, 
Кетсин шампан тығынлары атылып, 
Гүллердей долансын Ўатан қызлары, 
Жаңласын бахыттың қосық-сазлары. 

Жас баҳадыр Жаңа жылды Қарбаба 
Сахнаға жетелеп шығар алдыңда 
Уллы семья – кең столды айналып, 
Бахыт кәсаларын қолларға алып, 

Жана үмит пенен шәўкилдеп жүрек. 
Тилейик ең жақсы, ең сулыў тилек: 
Дүньяға – тынышлық ҳәмде парасат, 
Жоқ болсын ғаўғалы урыс-арасат! 

Дослар жыламасын, душпан күлмесин. 
Шөлде жуўсан емес, бағлар гуллесин. 
«Байқоңыр-Ай» турист жолы ашылып, 
Жулдызлар космоста жатсын шашылып. 

Бултлар биз айдаған жақларға көшсин, 
Буўдай шөрек болып атызда өссин. 
Бүлбил ашықларға уйқы бермесин, 
Ҳәр үйде аналар бесик тербесин. 

Ағашлар мийўаға байып жығылсын, 
Баллар шоколадқа тайып жығылсын, 
Жаңа жылды қарсы алайық қатырып, 
Кетсин шампан тығынлары атылып! 

Ибрайым Юсупов
 1974-жыл, декабрь

Канал👉  @shejireqr

ШЕЖИРЕ

31 Dec, 04:07


Qaraqalpaq tılınde sóyle - qaraqalpaqsha

ШЕЖИРЕ

24 Dec, 13:39


РЕВОЛЮЦИЯЛЫҚ ГИМН

Сөзи - Х.Сейитов. Музыкасы - Ж.Шамуратов ҳәм А.Халимов.  
               
Октябрьден алып, еркинлик бостан.
Мәкәным нур жайнап, болды гүлистан,
Кеңнен қулаш жайып, өсип ер жетип,
Гүлленип барыўда Қарақалпақстан.

Нақыраты.

Жеткерди Лени-ин,  бизди теңликке.
Партия баслайды жеңиске ерликке .
Қарақалпақстаным, сенде етип, талўас.
Коммунизмге қарай, алға, алға бас !

Баў - бақшалы етип, саҳра шөллерди,   
Нурға бөлеп, жетилдирген бизлерди.
Компартия ҳәм уллы рус халқына
Халқымыз айтады алғыс сөзлерди.
                                                
Канал👉  @shejireqr

ШЕЖИРЕ

24 Dec, 08:09


МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМН

Бугин, 24 -декабрь - Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик Гимни туўралы Нызамның қабыл етилгенине саррас 30-жыл толды. Гимн - грекше "ҳумнос"  сөзинен алынған болып "салтанатлы қосық" деген мәнисти аңлатады. Гимнниң мәмлекетликтен басқа белгили бир ўақыялар ҳүрметине қабылланған революциялық, әскерий диний түрлериде болады.
Мәмлекетлик Гимн - мәмлекетлик Байрақ ҳәм мәмлекетлик Герб пенен бирге мәмлекеттиң рәсмий нышаны (танымалы белгиси). Ишки-сиясий ҳәм халық аралық әҳмийетке ийе рәсмий церемонияларда, спорт ойынлары ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаўда, айырым еллерде (Ирландия) кино сеанслардан алдын ҳәм басқада жағдайларда атқарылады.

"Шежире" руўхый-ағартыўшылық каналы👉 @shejireqr