Өмир сабақлары.☘ @omir_sabaqlari Channel on Telegram

Өмир сабақлары.

@omir_sabaqlari


Жеке канал
Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған.

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл

Өмир сабақлары. ☘ (Kazakh)

«Өмир сабақлары. ☘» атты каналда қарым-қатынас жоқ. Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған. Жеке каналда Аллаҳ ләшкеридур Ҳикметлерін таңдағанда, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтеріп, кеўиллерді жаулайды. @Румий туралы пікірлер, мотивациялық пикирлер, психологиялық тесттерді алуға болады. Канал 2020 жылдың 26 ақпан күні ішінде ашылды. «Өмир сабақлары. ☘» каналы оқырман және кеңес берушілерге арналған, өмірді жақсарту, даму жолында көмек көрсету мақсатын қоймайды. Оқырманның мақсаты - тамашалау, білімін арттыру, жаңа ұстаным мерзімдері жасау. Өмірдің сияқты негізгі кезеңдерінде көмек көрсетуде. Өмір сабақларын қосымша білімді арттыру үшін психология, мотивация, ақыл-ой, сон, жетілдіргіштің жеткеншілігі, табиғат және денсаулық туралы тақырыптар жайлы танымал пікірлер, ақпараттар, тесттер алар есептелген. Өмір сабақлары. ☘ каналы меншік-босату, жүрек-босату туралы ащылып жасалған. Өмірді толық нұрландыру, көңіл-күйдең тамаша тағайындау үшін жеке каналда қосымшамен жаратылған пікірлерге қолдау көрсететін мақсатты ойлаушылардың үшін ықтимал. Өмір сабақлары. ☘ каналына қосылыңыз және өмірдегі жол толықтай жағдайда жатқаннан көріністеріңізді орнатыңыз!

Өмир сабақлары.

09 Dec, 11:42


Сиз көрип турған сүуретте əйнек ишке қарап ашылғанба яки сыртқа қарап ашылғанба ?

Өмир сабақлары.

09 Dec, 04:35


@omir_sabaqlari

Ассалаума əлейкум !!!

Аманлықта дийдарласыуды несийбемизге жазғанына шүкирлер болсын !

Өмириңиздиң жəне бир таңы мүбəрек хəм қайырлы болсын !

АЛЛАХЫМ хəр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан қəдемиңизден разы болсын !

Дениңиз сау ,кеулиңиз тыныш ,шаңарағыңыз аман болсын !

Күниңиз берекетли өтсин қəдирлим !!!

Өмир сабақлары.

08 Dec, 16:43


Күлгенниң бәриде дос емес,
Ийттиңде бәри таз емес,
Гамажыңды кийип жүр,
Декабрь саған жаз емес..

Сууық күнлердиң хәзиллери 🤓🤝

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

06 Dec, 14:03


Хешким сизди таңлағаны ушын бир мəрте хəм пушайман болмасын !

"Əттең..."лерге емес ,"шүкир"лерге себеп болың ......

https://t.me/omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

06 Dec, 13:47


Қəлбти сындырыу медицинадағы қəтеге уқсайды.
Дəригер кеширим сорағаны менен саламатлық қайтып келмегениндей,сынған қəлбти əуелги жағдайына қайтарып болмайды...

https://t.me/omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

06 Dec, 13:43


Тартысыуда жоқары келиудиң жалғыз усылы оннан уаз кешиудур....


Дейль Карнеги.
https://t.me/omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

05 Dec, 13:26


Өмир жолларынан сүрниксең билмей
Тек Əкең турғызар үстиңнен күлмей.
Зимистан көринип жол табалмасаң
Анаң жол көрсетер жарқырап күндей...

Ю.М.П.

Өмир сабақлары.

03 Dec, 17:05


Дослар жақсыларды абайлаң , сақлаң,
"Сəлем" деген сөздиң салмағын ақлаң,
Өлгенде жүз саат жылап турғаннан,
Оны тирисинде бир саат жоқлаң ! (излең)..


Мақсуд Шайхзада.

Өмир сабақлары.

03 Dec, 17:05


Хешқашан өзгериуди қəлемейтуғын адамға жəрдем бериудиң илəжы жоқ....



Гиппократ.

Өмир сабақлары.

03 Dec, 03:22


Хеш нəрсени аңлатпайтуғын сөзлер бар ....

Хəмме нəрсени аңлататуғын тынышлық бар...



Айман Яғий.

Өмир сабақлары.

03 Dec, 03:17


Ақмақ адам хикмет лəззетин билмейди, мысалы тымау болған адам гүлдиң ийисин сезбегендей....



Махмуд Замахшарий

Өмир сабақлары.

02 Dec, 21:38


Қашан нуқсансыз жуп излеуден тоқтап, өзиң нуқсансыз болыуды қəлеген уақтыңда өз жубыңды табасаң !



Генри Мартин Роберт.

Өмир сабақлары.

02 Dec, 21:22


Билим -ядлау менен емес,пикирлеу менен арттырылғанда ғана хақыйқый билимдур.


Лев Толстой.

Өмир сабақлары.

01 Dec, 16:40


muzic time...

Өмир сабақлары.

01 Dec, 09:04


Кимде қандай пикир?

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

01 Dec, 08:28


Talant báribir talantta

Өмир сабақлары.

01 Dec, 07:44


Ҳәр күни бир көз жуўыртып өтететуғын телеграм канал, топарларыңыздың атларын комментке жазып қалдырың...

Өмир сабақлары.

01 Dec, 07:28


ЖАҚСЫ ҲӘМ ЖАМАН ҲАҚҚЫНДА.

БИР ҚУДИРЕТ:
18 мың әлемди жаратыўшы жалғыз~Алла.

ЕКИ АРЫС:
1. Адам  [Адам Ата]; 2. Ана  [Ҳаўа ене].
        
ЕКИ МӘҢГИЛИК:
1. Бул дүнья~фәний.
2. О дүнья~мәңгилик.
           
ҮШ ЖУРТ:
1.Ағайин журт.
2.Дайы [нағашы]  журт.
3.Қайын журт.
           
ҮШ  БАЙЛЫҚ:
Биринши байлық~ден саўлық.
Екинши байлық~ақ жаўлық.
Үшинши байлық~бес саўлық(қой).
1.Ел.
2.Жер.
3.Тил.

ҮШ ҚУЎАТ:
1.Ақыл.
2.Жүрек.
3.Тил.

ҮШ АРСЫЗ:
1.Уйқы.
2.Тамақ.
3.Күлки.
           
ҮШ ҒАЙЫП:
1.Әжел.
2.Қонақ.
3.Несийбе.

ҮШ ДАЎАСЫЗ:
1.Минез.
2.Ғаррылық.
3.Әжел.

ҮШ ҚӘДИРЛИ:
1.Ырыс.
2.Бақ.
3.Дәўлет.

ҮШ ҚӘДИРСИЗ:
1. Жаслық шақ.
2. Ден саўлық.
3. Жақсы жупты  [әйел]  қәдирин ўақтында билмейди.

ҮШ ҲАҚЫЙҚАТ:
1. Қымбат~шынлық.
2. Арзан~өтирик.
3. Даўасыз~ғаррылық.

ҮШ ҲАСЫЛ:
1.Көз.
2.Тил.
3.Кеўил.

ҮШ ТЫЙЫМ:
1. Басыңа ийе бол.
2. Тилиңе ийе бол.
3. Қолыңа ийе бол.

ҮШ ҚОНАҚ:
1. Арнайы қонақ.[шақырылған.]
2. Қудайы қонақ.[шақыртыўсыз.]
3. Қыдырмайшы қонақ.

ҮШ АПАТ:
1. Алымлар менен қарияларды сыйламаў.
2. Ҳүкиметти сыйламаў.
3. Асты ысырап етиў.

ҮШ ҮМИТ:
1. Жазыламан деп аўырыў үмитли.
2. Байыйман деп гедей үмитли.
3. Кетемен деп қыз үмитли.

ҮШ ГЕДЕЙЛИК:
1.Гежирлик.
2.Ериншеклик.
3.Уйқы.

ҮШ КӨЗ:
1.  Суў анасы~булақ.
2.  Жол анасы~туяқ.
3. Сөз анасы~қулақ.

ҮШ КИЙЕ  [ҚӘСИЙЕТ]:
1. Өлиде~әрўақ.
2. Малда~кийе. [Малды теппе, жөнсиз азап берме]
3. Аста~кепийет("астың кепийетине ушырарсаң").
 
ҮШ ТӘЛИМ:
1. Меҳрибанлық~саўап.
2. Жақсылықтан~шарапат. 3. Жаманлықтан~кесапат.
#фольклор

ТӨРТ ТӘРЕП:
1. Шығыс;
2. Батыс;
3. Арқа;
4. Қубла.

ТӨРТ МӘЎСИМ:
1. Жаз; 2. Гүз; 3. Қыс; 4. Бәҳәр.

ТӨРТ ЖАҚСЫ;
1. Патшаның әдиллиги;
2. Алымлардың илими;
3. Байлардың қайыр-сақаўаты;
4. Жақсылардың дуўасы {алғысы}.

ТӨРТ  ТҮЛИК:
1. Түйе;
2. Жылқы;
3. Ири қара;
4. Усақ жанлық [қой, ешки].

ТӨРТ МУРАТ:
1. Даў мураты~питиў; 2.  Саўдагер мураты~утыў; 3. Қыз мураты~кетиў; 4. Жол мураты~жетиў.

ТӨРТ ХОРЛЫҚ:
1. Шақырылмаған жерге барыў;
2. Душпаныңнан жәрдем сораў;
3. Сараңнан қарыз сораў;
4. Орынсыз сөйлеў.

ТӨРТ КИТАП:
1. Таўрат~Муўса пайғамбардың китабы;
2. Забур~Даўыт пайғамбардың китабы;
3. Инжил~Ийса пайғамбардың китабы;
4. Қураны Кәрим~Муҳаммед пайғамбардың китабы.

ТӨРТ ГҮНӘ:
1. Аллаға гүман келтириў [Бар ма, жоқ па ҳ.т.б деп]
2. Наҳақтан қан төгиў;
3. Ата-анаға тил тийгизиў;
4. Өтирик гүўа болыў [жала жабыў].

ТӨРТ ПЕРИШТЕ:
Аллаға жақын төрт периште бар:
1. Жәбирайыл; 2. Әзирейил; 3. Мекайыл; 4. Исрайыл. [Исрафил].

БЕС ЎӘСИЯТ:
1. Ҳәр қашан сақ бол.
2. Аш үйге қонба.
3. Наданға исенбе.
4. Жаўға жалынба.
5. Жарлыдан сыйлық алма.

 БЕС ЖАҚСЫ:
1.Мийнет етиў,
2.Терең ой  [жақсы ийгиликли ой деген мәнисте],
3. Алдыңа мақсет қойыў.
4. Қанаатшыллық.
5. Сабырлылық.

БЕС ЖАМАН:
1. Өтирик айтыў.
2. Биреўди сыртынан ғыйбат қылыў.
3. Мақтаншақлық.
4. Ериншеклик.
5. Бостан-босқа (көзсиз) шашылыў  [ақша, мал дүнья].

 БЕС ЖАРАТЫЛЫС:
1.Күн.
2.Түн.
3.Ай.
4.Жулдыз.
5.Күндиз.

БАСТАҒЫ БЕС МҮШЕ:
1.Көз.
2.Қулақ.
3.Аўыз.
4.Тил.
5.Мурын.

БЕС ПАРЫЗ:
1. Қудай бир, рәсиўли ҳақ.
2. Намаз оқыў.
3.Ораза тутыў.
4. Садақа (закат) бериў.
5. Ҳажылыққа зыяратлаў.
          
БЕС ЎАҚЫТ НАМАЗ:
1.Таң намазы.
2.Песин намазы.
3.Намазлыгер.
4.Намазшам.
5.Қуптан.
          
БЕС ҚАРЫЎ:
["Бес қарыўын сайлады"~дәстанлардан.]
1. Кәман [оқ жай.
2. Мылтық.
3.Найза.
4. Алмас қылыш (зүлфиқар).
5. Айбалта.

БЕС ПАРЫЗ:
1.Алланың алдындағы парызларыңды орынлаў.
2. Адамның өзине байланыслы парызы.
3. Мәмлекет ҳәм халық алдындағы парыз.
4. Шаңарағың, үй-иши ағзалары алдындағы парыз.
5. Адамгершилик парызы.[мийрим шапаҳат, қайыр сахаўат,  ҳ. т. б)

АЛТЫ БИЙИК:
1.Ақыл.
2.Билим.
3.Жомартлық.
4.Әдиллик.
5.Шынлық, ҳақыйқат.
6.Кеңпейиллилик.

Өмир сабақлары.

26 Nov, 05:33


ЖАҚСЫЛЫҚТЫҢ ҮЛКЕН-КИШИСИ БОЛМАЙДЫ.
БӘРИ БИРДЕЙ ҚӘДИРЛИ.

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

25 Nov, 17:40


Өмирдиң бес нызамы

▪️Адамларға сүйкене берме, сонда оларға қаншалықлы кереклигиңди билип аласаң.

▪️Ўәдеге исенбе, гей ўақытлары сөздиң қәдири болмайды.

▪️Сенсиз өмир сүре алмайтуғын адамлардың кеўлин қалдырма.

▪️Бос сөзге исенбе, адам не демейди - ешек не жемейди.

▪️Сүймесең бирге болма. Ўақытты босқа өткерип, басқалардың бахтына тосқынлық қылма!

Өмир сабақлары.

25 Nov, 17:31


@omir_sabaqlari

Төрт патшаның ҳикмети.

Абу Бакир ибн Иёштан рәўият етеди:

- Төрт патшаның ҳәр бири бир-бир қатардан гәп келтирди. Олар тап оқ жайдан атылған оқтай еди.

Кисро айтты:

- Айтпаған сөзиме пушайман болмайман, айтқан сөзиме пушайман боламан.

Қытай патшасы айтты:

- Айтпаған сөзимниң ийесимен, айтқан сөзим маған ийе.

Рум патшасы деди:

- Мен айтқан сөзимди бийкарлаўдан гөре айтпаған сөзимди бийкарлай аламан.

Ҳинд патшасы айтты:

- Бир киси бир калиманы айтса, ол калима аўыздан шығып, оған зәлел береди. Егер шықпағанда, оған зәлел бермес еди.

"Ески дүнья рәўиятлары”

Өмир сабақлары.

24 Nov, 11:44


❗️#ПСИХОЛОГИК_ТЕСТ

Ең күшли 3 қәсийетиңизди анықлаўшы тест

1 ден 10 ға шекем болған санлардан бирин сайлаң ҳәм 3 күшли қәсийетиңизди анықлаң.

Бул неге хызмет етеди? Бундай тестлер инсанларды өзине исенимин асырады.


#ЖУЎАПЛАР

1-номерди таңлағанлар:
Өз бетинше жумыс ете алады, өзине исеними жоқары ҳәм өзин өзи ҳүрметлейди.

2-номерди таңлағанлар: Стресслерге шыдамлы, сабырлы, креатив дөретиўши ҳәм күшли ғайратлы инсанлар.

3-номерди таңлағанлар:
Басық характерли, қәтиржам, қарар қабыллаўда келисимли, салдаманлы ҳәм қандайда бир жумысты турақлы ете алыў уқыбы бар.

4-номерди таңлағанлар:
Өзине жақсы баҳа береди, өз пикирин қорғай алады ҳәм инсанлар менен кирисимли.

5-номерди таңлағанлар:
Өзи де сырлы ҳәм сырды да сақлай алады, ғәрезсиз пикирлеў ҳәм жумыс ислеў, ҳәр қандай исте тең салмақлылық услай алады. Бундай инсанлардан жақсы тыңшылар шығады.)

6-номерди таңлағанлар:
Ойын-күлкиге бейим, оптимист ҳәм позитив инсанлар.

7-номерди таңлағанлар:
Аналитик пикирлеў, күшли ишки сезим ҳәм үлкен муғдардағы мағлыўматларды анализ ете алады. Бундай инсанлардан жақсы инвесторлар шығады.

8-номерди таңлағанлар:
Өзинен кеўли тоқ, өзин жақсы тута алатуғын креатив инсан.

9-номерди таңлағанлар:
Оптимист, өзин өзи хүрмет ететуғын ҳәм креатив дөретиўши инсан.

10-номерди таңлағанлар:
Дөретиўшилик пенен пикирлей алыў ҳәм жумысқа жоқары нәтийже алып келиў уқыбы бар. Бундай инсанларды ҳәр қандай компания жумысқа алыўы анық.

Өмир сабақлары.

24 Nov, 10:18


❗️#ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ_ТЕСТ

Ең күшли 3 қәсийетиңизди анықлаўшы тест

Сүўретке дыққат пенен қарап
1 ден 10 ға шекем болған санлардан бирин сайлаң ҳәм өзиңиздиң 3 күшли қәсийетлериңизди анықлаң.

Бул неге хызмет етеди? Бундай тестлер инсанларды өзине исенимин асырады. Себебин болса жуўаптан кейин билесиз.

Тестти жақынларыңызға жиберип олар да өзлериниң күшли пазыйлетлери ҳаққында билип алса болады.

Өмир сабақлары.

24 Nov, 08:35


@omir_sabaqlari

Ҳақыйқый дос

Уллы саҳабадан сорады:
— Қанша достыңыз бар?
Ол былай жуўап берди:
— Буны ҳәзир билмеймен, себеби бүгин дүньяда ығбалым келип тур, ҳәмме мениң достым. Бул нәрсени дүнья меннен жүзин бурғанда билиўим мүмкин.
Достың жақсысы - дүнья меннен жүз бурғанда маған ығбал етиўшидур.

Өмир сабақлары.

20 Nov, 19:20


Инсанлардың ҳақыйқый жүзи қандай болады:

1. Адамлар мени бай деп ойласын деп, жарлылығын жасырады.

2. Адамлар мени ыразы деп ойласын деп, ғәзебин жасырады.

3. Адамлар мени тоқшылықта жасап атыр деп ойласын деп, қыйыншылығын жасырады.

Өмир сабақлары.

20 Nov, 19:06


Бахыт - шаңарақтың тынышлығында.
Жақсы көриў болса - перзенттиң көплигинде.
Мийир - бир-бирин түсиниўде, Муҳаббат болса - ҳаялдың қуўанышлы екенинде.

https://t.me/+bUNxyMpsXNIwMTZi

Өмир сабақлары.

20 Nov, 19:03


Егер сен мəп күтип жасасаң, əтирапыңды қара басының ғамын ойлаўшы адамлар орай баслайды.

Егер сен муҳаббат күтип жасасаң, əтирапыңды муҳаббатлы инсанлар орай баслайды.

Өмир сабақлары.

20 Nov, 18:54


Қанша шырайлы болсаңда мақтанба. Себеби шырай ўақтыншалықдур.

©Ҳикметлер дәптеринен.

Өмир сабақлары.

20 Nov, 04:36


#тәрбия

«Бүгин балаларымызды мектеп, ата-ана яки институт емес, көпшилик жағдайда қолындағы телефон тәрбиялап атыр. Мобиль телефон енди әпиўайы байланыс қуралы емес, көбинесе кери ой өристи тарқататуғын қуралға айланып баратыр.
Руўхыйлығымызға улыўма жат болған зыянлы идеялар шегараны бузбастан, билдирместен шаңарағымызға, жәмийетимизге кирип келмекте. Саат сайын емес, минут сайын кирип бармақта.
Булардың барлығы биз ушын сергеклик қоңыраўы болып шалыныўы зәрүр››.

Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан Республикасы Президенти

Өмир сабақлары.

20 Nov, 04:11


Мына нәрсени ядыңда сақла! Сен еркектен ақыллы емессең! Еркектен күшли емессең, оннан артық емессең! Сен басқаша инсансаң! Сен ҳаялсаң, сен ҳешқашан еркек бола алмайсаң! Егер турмысқа шыққан болсаң – күйеўиңниң ҳәрбир  қәдемин аңлығанды тоқтат! Турмысқа шықпаған болсаң - жигит излегенди қой! Есиңде болсын - еркектиң территориясына қәдем басқан екенсең, енди оған бағыныўың керек. Бийликте ҳешқашан ҳаял биринши болмайды, еркекти ертип жүрмейди. Егер солай болса, бийдиң сәни кетеди,  бул бир унамсыз көринис болар еди. Көз алдыңа елеслетип көрдиң бе? Сениң өмириң де сондай унамсыз көринисте болып турғанын шамала. Бул сениң дурыс роль таңламағаныңды билдиреди. Бул рольде сен еркектен басым болып турсаң. Оны аяғаныңнан, менсинбегениңнен яки исенбегениңнен,  оннан артық болыўға бар күшиңди салғаныңда. Сен оған бойсынып жүрип бар бахытты табыўдың орнына еркек атаўлыдан өзиңди артық көрип, үстем болыўды қәлейсең. Сол ушын да сениң исиң алдыға жүрмеди. Еркек сөзиниң өтимли болғанын қәлейди. Оның шешимин булжытпай орынлаған маңызлы. Пикири ҳүрметленип есапқа алыныўы шәрт. Ал сен не қылдың? Қайта-қайта даўласасаң. Өзимдики дурыс дегеннен ары кетпейсең. Енди сен оның менен тартысып оған жүз жуўап қайтарғың келген гезде тоқта да, «Сен не десең, сол болады» деп гәпиңди қысқарт. Оның көз-қарасы қалай өзгеретуғынын сезесең. Сениң бойсынғаның – өзиң ушын бахыт.  Бас ийиў – ҳаялдың күши.  Қадағалап үйренип қалған адамға исениў қандай қыйын? Өзиңе ҳаял болыўды мүнәсип көрмейсең. Шын мәнисинде қандай екениңди ашып көрсетиў қыйын – ғәрезли болыў ҳаялдың жолы. Әсиресе, өзиңниң шаңарағыңда  бийликти  анаң жүргизгенин көрип өссең – бул дым қыйын мәселе. Ямаса, әкеңди ҳешқашан көрмесең – ол да қыйын. Өзгениң сценарийине бағыныў, жол түспеген қыйын жол менен жүриў қыйын. Түсинемен. Бирақ сен солай жүрип көр. Қадағалаўдан барынша қутыл. Өзиңди раўажландырасаң. Еңсеңди басып турған қорқынышыңды басасаң. Түсинбеўшилик деген ойды жеңесең. Оған исен. Ериңниң изинде тур. Айтқанын орынла. Ҳешнәрсеге қарамастан оған исениўди үйрен.

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

19 Nov, 20:08


Сизиң ҳақыйқый минезиңиз қандай?
(психологиялық тест)

Қайсы есикти таңладыңыз?

№1 Есик

Егер сиз биринши есикти қаққан болсаңыз, сиз тәбиятыңыздан жүдә шыдамлы адамсыз. Өзгелердиң жағдайын жақсы түсинесиз. Жаныңызға жақын адамлардың басына түскен қыйынлық сизди итибарсыз қалдырмайды. Сизде бос уақыт деген болмайды. Болған күнниң өзинде де сизден көмек сорап келген адамның жумысын шешиўге бос уақытыңыздың барлығын арнайсыз. Айналаңызда болып атырған уақыялардың ҳешбири сизиң қатынасыўыңызсыз өтпейди. Бир сөз бенен айтқанда сиз өзиңиз ушын емес, өзгелер үшын жаратылған жансыз. Сизиң жүрегиңиз нәзик. Минезиңиз ашық, жарқын кеўилиңиз бенен адамларды тез өзиңизге қаратып алатуғын күшке ийесиз. Бәлким, бир сәтке болса да өзиңизге кеўил бөлерсиз? Сизге айтар кеңестмиз, бир күниңизди өзиңизге арнаңыз. Саяхатқа шығыңыз, дем алыңыз, китап оқыңыз, жақсы фильм көриңиз.

№2 Есик

Екинши есикти ашқан болсаңыз, сиз әпиўайы, қарапайым адам емессиз. Бойыңызда дөретиўшилик қәсийет бар. Айналадағы болып атырған ўақыялардың барлығы сизди итибарсыз қалдырмайды. Кишкене өзгеристиң өзи сизге айрықша күш береди. Сизиң айрықша талантыңыз бенен көп қырлы қәбилетиңизге өзгелер қызғаныш пенен қарайды. Олардың қатарында досларыңыз да бар. Шырайлы кийинесиз, соңғы модадағы кийимлерди үйлестире билесиз. Дөретиўшиликтен бөлек артислик қәбилетиңиз болғанлықтан, айналадағы адамларға айрықша тәсир қалдырасыз. Сизди аңсат умытыў қыйын. Егер ҳәзирги маманлығыңыз театр, кино, шығармашылық тараўына байланыслы болмаса, ойланып көрерсиз. Өйткени өзгеше, айрықша талантты туншықтырыўға болмайды.

№3 Есик

Үшинши есикти шөлкемлестириўшилик қәбилети күшли адам ғана аша алады. Сизиң ишки сезгиңиз жақсы раўажланған. Соның арқасында өмирлик жолыңызды жаңылмай таўып келесиз. Есапқа ҳәм қунлы қағазлар менен жумыс ислеўге шаққансыз. Ири жойбарларды аяғына дейин жеткизип, жеңиске жетиў сиз ушын аңсат.Алдыңызда отырған адамның ойын тез оқып қоясыз. Сол себепли сизди алдап, тақырға отырғызыў жүдә қыйын. Өзгелерге не керек екенин жақсы билесиз. Мақсетиңиз анық. Тіпті сәтсизликлердиң өзин, қәддиңизди тик услап жеңил қабыллайсыз. Досларыңыздың өзи сәтсизликке ушыраса сизиң қоллаўыңызға зәриў. Өйткени сиз ҳәрдайым «Достым, еңсеңди түсирме! Қыйынлықтың барлығын бирге жеңемиз» деп рухландырасыз. Сизге кеңесимиз, усы қәлпиңизден айнымаңыз.

№4 Есик

Төртинши есиктиң ийеси жүдә қупыя адам. Өзиңиз туўралы өзгелердіиң сөз тасығанын дым унатпайсыз. Сиз ағыс пенен жүриўге көнбейсиз. Өмирде өз жолыңызды анық анықлаған болсаңыз, ағысқа қарсы жүзиўге де тайынсыз. Әтираптағыларға сын көзқарас пенен қарайсыз. Сизиң жетискенликке жетисиўиңизге тосқынлық ететуғын адамлар менен бирден хошласасыз. Досларыңыздыда саралап, сынақтан өткергенсиз. Өйткени сиз мотивация беретуғын адамлар менен жолдас болғанды унатасыз. Ишки сырыңызды көп аша бермейсиз. Сизиң жақсы қәсийетлериңиздиң бири қасыңыздағы адамлардың қәтеликке урынарын алдын ала сезип отыратуғынлығыңызда. Және олардың қәтелик ислеўине жол бермейсиз. Олар сизиң ескертпеңизди елестире бермесе де, сизиң ҳешқашан қәтелеспейтуғыныңызды биледи. Сол себепли сизди тыңлаўға мәжбүр. Өйткени сиз туўрысын айтатуғын, бирбеткей адамсыз.

Өмир сабақлары.

19 Nov, 17:25


Таңлаған болсаңыз, есикти ашып ишке кириңиз.
Ол жерде өзиңиздиң ҳақыйқый минезиңиз туўралы билип аласыз.


1-есик
2-есик
3-есик
4-есик

Өмир сабақлары.

19 Nov, 17:16


#Китапқумарлар


Кабулда китап сататуғын бир қыз дүканына сүйиклиси келгенин көреди. Усы ўақытта қыздың әкесиде қасында еди. Қыз жигитке қарап:
- Немис жазыўшысы Уорг Даниелдың "Әкең үйдеме?" китабын алажақсыз ба? - деп сорайды.
Жигит:
- Жоқ, мен инглиз жазыўшысыТомас Мунистың "Сени қай жерде көриўим мүмкин? китабын алыўға келген едим.
Қыз:
- Ол китап қалмаған, лекин америкалық жазыўшы Патрисе Олфердиң "Алма дарақларының астында" китабын усыныс етиўим мүмкин.
Жигит:
- Жүдә жақсы. Бельгиялық жазыўшы Жеан Барнердың
" 5 минуттан соң қоңыраў етемен" китабы да керек еди, алып келе аласыз ба?
Қыз:
- Әлбетте. Буннан басқа сизге француз жазыўшысы Мишель Даниелдың "Сирә жалғызлатпайман" китабында оқыўды усыныс етемен.
Бул сәўбетти еситип турған қыздың әкеси:
- Бунша китап көплик етпеспе екен, ҳәммесин оқыйма екен бул бала?-деп қызынан сорайды.
Қыз:
- Аўа, әке. Ол жүдә ақыллы бала, ҳәммесин оқыйды.
Әкеси:
- Мениң гөззал қызым, ондай болса, оған Голландиялық жазыўшы Франк Мартинистиң "Мен ақмақ емеспен" китабында бер. Кейин , өзиңде рус жазыўшысы Мурис Истанковичтиң "Әмекиңниң баласына турмысқа шығыўға таярлан" китабын оқып шық...

Өмир сабақлары.

06 Nov, 18:45


Баҳасына қарамай сатып алыў ушын,
Ўақытқа қарамай жумыс ислеў керек.

Билл Гейтс

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

06 Nov, 18:44


Интернет, ол адамларды бир-бирине жақынырақ етпейди. Бул жалғызлық жыйналысы. Биз биргедеймиз, бирақ ҳәр биримиз жалғыз.
Қатнас иллюзиясы...
Дослық иллюзиясы...
Өмир иллюзиясы...

Януш Леон Вишневский.

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

06 Nov, 07:59


Jańa Post - Chegaradan onlayn tovar sotib oling va yetkazib berish xizmatini oling!

https://jana-post.uz/uz/app?invite_code=JP2397785

Өмир сабақлары.

02 Nov, 19:57


Маған пул әҳмийетли емес дейтуғынлар!

Сиз ушын пул әҳмийетли болмаса, неге онда ҳәр айлық алғаныңызда ишиңизден қуўанасыз.

© Леонардо Ди Каприо

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

02 Nov, 19:56


#Мыйық_тартар

Бир ҳаял күйеўи жумыстан келгенде, бәрҳә оның кийиминен шаш таўып алып урыс шығара берипти. ⠀
Күнлерден бир күни ҳаял күйеўиниң кийиминен ҳеш шаш таба алмапты. Сонда ҳаялы күйеўине: ⠀
— Аўа, қурып кетсин бәри! Күниң енди таз ҳаялларға қарап қалды ма!? - деген екен.

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

02 Nov, 19:54


@omir_sabaqlari

ЕРТЕҢ АЗАННАН спорт пенен шуғылланыўды баслайман!

ЕРТЕҢ АЗАННАН пәлен китапты оқыўды баслайман.

ЕРТЕҢ АЗАН болса, аўылға барып анамды көрип келемен!

ЕРТЕҢ АЗАННАН оқыўға таярлықты баслайман!

ЕРТЕҢ АЗАННАН баслап атызларды тазалайман!

ЕРТЕҢ АЗАННАН ишиўди тоқтатаман!

ЕРТЕҢ АЗАННАН жақсы тәрепке өзгеремен!

Бирақ бундай деп өзин өзи алдап жүргенлер ушын ертең ҳеш ўақытта келмейди!!!!

Себеби ертеңги күнге өтиўимиз бенен ол күн де бүгинге айланады ҳәм өзин өзи алдап жүриўшилер және кешеги гәпин айтып ЕРТЕҢ АЗАНДА әлбетте қыламан дейди.

Соның ушын, ҳәзирдиң өзинде-ақ арзыўларымыз тәрепке биринши адымымызды атпасақ, ЕРТЕҢИНЕ ТАҢ атқанда өкинип қалыўымыз анық!

Өмир сабақлары.

02 Nov, 19:52


Сағыныш əжептәўир сезим:
  тап өлип қалатуғындайсаң,
        бирақ өле алмайсаң...

⸺ Маҳбубий

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

02 Nov, 19:50


@omir_sabaqlari

Дунья ҳар қандай зәрүрликлеримизди бере алатуғын дәрежеде үлкен, бирақ инсан ашкөзлигин қандырыў ушын оның үлкенлиги кемлик етеди.

© Маҳатма Ганди

Өмир сабақлары.

02 Nov, 19:04


Егер адамлар саған меҳрибан болса, ақыбетинде буның төлеўи бар екенин ол билетуғын еди...

Дэниел Киз

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

02 Nov, 19:03


Инсанлар өзин мақтаўдың еки усылынан пайдаланады. Бириншиси ⸺ өзи ҳаққында жақсы гəплерди сөйлеў, екиншиси ⸺ басқалар ҳаққында жаман гəплерди сөйлеў.

© Клод Адриан Ҳелветиус

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

02 Nov, 17:54


music time...

Өмир сабақлары.

02 Nov, 13:57


Бир сүуретши шырайлы сүурет сызды хəм оны көпшилик жыйналатуғын жерге қойып ,сынап көрмекши болды.Сүуреттиң төбесине : "Ким бул сүуретте кемшиликти көрсе қызыл қəлем менен белги қойсын ! " деп жазыпты.
Сүуретши кешқурын келип көрсе ,сүуреттиң бети қызыл бояуға толып кетипти.Ол устазының алдына барып сүуреттен уаз кешпекши болғанлығын айтыпты.
- Жоқ,-деди устазы оған.
- Сен жақсысы жазған жазыуыңды өзгерт : " Ким сүуретте кемшилик көрсе , оны дүзетсин !", деп жазып қой.
Сүуретши устазының айтқанын иследи.Не көз бенен көрсин , арадан бир нешше күн өтсе де сүуретке хешким жақынласпапты.
- Көрдиңбе ?,- деп мыйық тартты устазы .-Бул өмирде хəмме нəрседен қəте табыушылар көп,ал бирақ сол қəтени дүзететуғынлар кем ...

Өмир сабақлары.

24 Oct, 18:10


@omir_sabaqlari

Гейде ғәзийне өз үйиңде жайласқанын түсиниў ушын дүньяны гезиўиңизге туўра келеди.

📓Пауло Коэло (Алкимёгар) шығармасынан

Өмир сабақлары.

24 Oct, 18:09


Жарлы болып туўылсаң бул сениң айыбың емес, лекин жарлы болып өлсең бул сениң айыбың!

Өмир сабақлары.

24 Oct, 18:08


- Негизинде ким туўры жолда, ким надурыс жолда екенлигин ҳеш ким билмейди, мәнзилге жетип бармағанша.!

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

24 Oct, 18:06


​#Ой-пикир

​​🌎• ЗАМАН ӨЗГЕРДИМЕ, БИЗБЕ?

БУРЫНЛАРЫ ҚОНАҚҚА:

- Мудамы сиз ушын есигимиз ашық, қашан қәлесеңиз келе бериң,! -дер едик.

🔳 ҲӘЗИРЛЕРИ БОЛСА:
- Келетуғыныңызды алдын ескертип қойсаңыз болмайма! -, деймиз…

БУРЫНЛАРЫ:
- Ҳәули алма, қоңсы ал! -дер едик.

🔳 ҲӘЗИР БОЛСА:
- Сен маған тийме, мен саған тиймеймен!-деймиз…

БУРЫНЛАРЫ
күнлик жыйналысымыз болар еди, арамызда жоқларды сорастырар едик…

🔳 ҲӘЗИР БОЛСА
яки байрамларда яки мерекелерде ғана көриспектемиз…

БУРЫНЛАРЫ:
- Мен бүгин не жақсылық иследим?! -деп өзимизди бақлайтуғын едик…

🔳 ҲӘЗИР БОЛСА:
- Неге ҳеш ким жақсылық етпей атыр, неге мени ҳеш ким жақсы көрмей атыр?! -деп өзгелерди түртемиз…

БУРЫНЛАРЫ:
душпан кимлигин жақсы билер едик..

ҲӘЗИР БОЛСА:
дос ким екенин де билмей қалдық..

💫 Дүнья өзгерген жоқ, негизинде…
Бәлким кеўиллер өзгерип кетти…💫

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

24 Oct, 16:32


ЕҢ KӨП УСЫНЫ ТАРҚАТЫҢ!!!

Динимизден кейин ең әҳмийетли ҳәм ең қымбатлы және ең қуны бар нәрсе бул дене ағзаларымыздың саламатлығы болып табылады.
Жүрек дәригер*леринен бири (кардиолог) мынандай деди:
Бул мағлыўмат кимге жетип келсе илажы барынша басқаларға да тарқатсын. Мүмкин, инсан өмирин сақлап қалыўда себепши болып қалатуғын шығар.

Жыллы суўдың оғада көп ҳәм аўыр дәртлерге даўасы бар екенине исенбейтуғын-да шығарсыз? Аллаҳ субҳанаҳу ўә таалаға сансыз шүкирлер болсын, Ол аўыр кеселликлерге шыпа бериўши Жалғыз ҳәм Қәдир.

Япония елиниң медиклери, суў менен емлеў тәжирийбелери себепли 100% жақсы нәтийжелерге ерисип, төмендегилерди халыққа жеткерди.

Суў менен емленетуғын төмендеги кеселликлер:

- Бас аўырыўы;
- Қан басымы;
- Кем қанлық (анимия);
- Ревматизм;
- Паралиш;
- Жүректиң тез урыўы;
- Эпилефсия (тутқанақ кеселлиги);
- Семизлик;
- Жөтел;
- Тамақ аўыры;
- Астма;
- Түберкүлез;
- Менингит (бас мий (қабық) аязлаўы);
- Сидик жолына байланыслы болған басқа кеселликлер;
- Кислоталылықтың артықшасы;
- Асқазан аязлаўы;
- Иш кетиўи;
- Қулақ, тамақ, мурынға байланыслы болған ҳәр қандай кеселликлер;

Суў менен емлениў усылы:
Ҳәр күни ерте таңда ояныў менен 4 стакан (800 мл) жыллыдан сәл ыссылаў суўды аш қарынға ишиледи. Суў ишилгеннен кейин 45 минут өтемен дегенше ҳеш қандай суйықлық ишилмесин ҳәм ҳеш қандай тағам желинбесин. Таңғы аўқатланыўдан кейинги ҳәр бир желинетуғын тағамлардан 2 саат алдын тап усындай 4 стакан жыллы суў ишилсин. Суў ишкеннен кейин 2 саат күтиўге қыйналған аўыр наўқаслар басында, дене ағзаларын үйретип аламан дегенше ўақытты бираз кемейтип (мысалы 1 сааттан кейин) тағамланыўы мүмкин.

Төменде аты аталған наўқасларға суў менен емлениў мүддетиниң нәтийжелери сыпатланды.

- Қант кесели даўасы 30 күн;
- Қан басымы көтерилген аўырыўлар ушын 30 күн;
- Асқазан кеселлиги 10 күн;
- Ҳәр түрли саратан кеселлиги даўасы 9 ай;
- Түберкүлез, менингит 6 ай;
- Иш қатыўы, қарын аўырыў кеселлиги 10 күн;
- Сидик жолына байланыслы болған басқа түрли кеселликлер, бөтеке 10 күн;
- Қулақ, тамақ, мурын кеселликлери 20 күн;
- Ҳәр түрли жүрек кеселликлери 30 күн;
- Бас аўыры 3 күн;
- Анимия 30 күн;
- Семизлик 4 ай;
- Паралиш, эпилепсия 9 ай;
- Астма 4 ай.

«Аўырғанымда, Оның Өзи маған шыпа береди»
(Шуаро сүреси, 80-аят).

Бул мағлыўматты басқаларға да жеткерейик, мүмкин сиз себепли аўыр наўқаслар шыпа тапса.

*дәригер – дәри жасаўшы ямаса емлеўши медициналық билими бар маман (Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги II-том 65-бет. «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» БАСПАСЫ НӨКИС – 1984)

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

21 Oct, 17:16


Исенимим кəмил ата-аналар балаларға жақсы тəрбия бериу ушын оларды асырап-абайлау хаққында мағлыуматқа ийе болыуы керек.
Биз бала өмириниң дəслепки бес жылында хеш нəрсе үйренбейди деп надурыс пикирге барамыз.
Негизинде улыума тескери жағдай болады-бала дəслепки бес жылында үйрене алмаған нəрселерин кейин хешқашан үйрене алмайды.
Бала тууылғаннан соң ата-анасына еликлейди хəм көп жыллар оның рауажланыуы пүткиллей ата-анасына байланыслы болады .


-Махатма Ганди. " Мениң өмирим"

Өмир сабақлары.

21 Oct, 15:12


​​#мыйық_тартар

Ҳаялым мектепте қызларға сабақ береди. Оны ҳәр күни машинамда жумысына алып бараман.

Түсип атырғанында алдын өзим түсип, машинаны айланып өтип, оның есигин ашып беремен. Солайынша арадан бир неше күн өтти.

Бул жағдайды бақлап жүрген айырым муғаллимлер, ҳәтте оқыўшы қызлар да ҳаялыма ҳәўес пенен қарап, қаншелли бахытлысаң, күйеўиңиз сондай сыйласықлы, адамгершиликли инсан екен, қәнекей бизиң де өмирлик жолдасымыз сондай болғанда ғой, депти.

Олар машинамның ҳаялым түсетуғын тәрептеги қапысы бузық екенин, ишкериден емес тек сыртқы жақтан ашылатуғынын билмейди дә)))

Телеграмнан

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

21 Oct, 15:10


Ата-анаға жақсылық қылыў ҳәм парыз, ҳәм қарыздур:
- парыз сени жәннетке жетеклесе;
-  қарыз болса перзентлериңизден өзиңе қайтады!

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

21 Oct, 05:36


Өзиңе жуп таңлаўда асықпа...

Оқығаны ҳаққындағы дипломы - бул жай ғана қағаз!

Байлығына ушпа, өйткени байлық келип-кетиўшидур...

Шырайына алданба, сен менен 10-15 жылдан кейин сөйлесемиз...

Китап оқымайтуғын, илим алыўға қызықпайтуғын қыз бенен тәғдириңди байлама...

Ибадатлы, инабатлы қызды таңла!

Салихаңды сондай дәрежеде қызған, оның саясын да нәмәҳрамге көрсетпе.

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

21 Oct, 05:36


СҮЎРЕТТЕН КҮШИКТИ 10 СЕКУНДТА ТАБА АЛСАҢЫЗ ДЫҚҚАТЫҢЫЗ ЖОҚАРЫ ДӘРЕЖЕДЕ ЕКЕНИНЕ ГҮМАНЫҢЫЗ БОЛМАСЫН👀👀

Өмир сабақлары.

21 Oct, 05:33


Теректи бир тепсең қызлар төгилмейтуғынлығын,
үйленбекши болып жүргениңде түсинер екенсең.

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

21 Oct, 04:07


Бәршениң жанына тийер дәрежеде мийримсиз болма,
Ушыраған кимсе сени түртип кетер дәрежеде жуўас болма.


©Садий Шерозий

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

21 Oct, 03:56


@omir_sabaqlari

ДУНЬЯДАҒЫ ЕҢ БАХЫТЛЫ ИНСАННЫҢ КИМ ЕКЕНИН БИЛЕСИЗ БЕ?⚡️⚡️

(Сол адамның ким екенин билгиңиз келеме, онда алмалардың үстин басып көриң😊)

🍏🍎🍏🍎🍏🍎

Өмир сабақлары.

21 Oct, 03:52


@omir_sabaqlari

❗️#ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ_ФАКТ

🏃‍♂ Тез жүретуғынлар әстен жүретуғынларға қарағанда көбирек өзине исенген ҳәм өзин бахытлы сезинетуғын инсанлар болады екен.

Өмир сабақлары.

21 Oct, 03:51


@omir_sabaqlari

Нени дурыс деп билсең соны исле. Себеби бул тек ғана сениң өмириң. Барлық сеннен кеткен затлар негизинде ҳеш қашан саған тийисли болмаған.
Сеники болған нәрселердиң барлығы сениң менен бирге бул дүньяға келген.
Кететуғынын қойып жибер. Босат... Қасыңда қалғанды асыра.

Өмир сабақлары.

21 Oct, 02:49


@omir_sabaqlari

Бир күн келеди. Ерте таңда оянасыз.

Тарийхқа - артқа қарайсыз да, атқара алмаған жумысларыңызды еслеп, терең гүрсинесиз.
"Енди ол демлер артқа қайтпайды", депте қоясыз.

Келешектен турып артқа қарағанда сол күнниң аты БҮГИН деп аталады.

• Бүгин баслаң!
• Бүгин урынып көриң!
• Бүгин қәдем таслаң!

Ертең кеш болыўы мүмкин.

Пауло Коэло

Өмир сабақлары.

21 Oct, 02:26


Ассаламу алейкум

🌸🌼 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ🌷🌹

🍃🌸Жаңа таңнан нәпес алыўды сыйлаған Аллаға шексиз  шүкир!🤲

🍃🌸Бүгинги жаңа күниңиз қутлы ҳәм қайырлы болсын...!!!

☘️ Кеўилиңиз ийманға
☘️ Үйиңиз қуўанышқа
☘️ Жүзиңиз нурға
☘️ Күниңиз ийгиликли ҳәм саўаплы әмеллерге толы болсын.

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

20 Oct, 06:47


Тикеннен гүл өндирген Зат
қысты тағы бəҳəрге айландыра алады.
Көримсиз қурт гөззал гүбелекке айланғаны сыяқлы,
күн келип барлық қайғы-ғамлар да қуўанышқа айланады.

©Жалалиддин Румий

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

20 Oct, 06:43


1-қулып.

Сиз тәсиршең ҳәм соның менен бирге сырлы адамсыз. Көбинесе өзиңизди бийпарық көрсетиўге урынсаңызда қәлбиңизге көп нәрселерди жақын аласыз. Адамларды кешириўиңиз қыйын. Көбинесе сиз исенген адамлар сизди қапа қылады. Демек адамларға кемирек исениў керек.

2-қулып.

Дөретиўши ҳәм соның менен бирге ериншеклеў адамлар. Сизди кимдур илҳамландырып турса қәлеген қыйын исти де бир демде орынлайсыз. Бирақ бундай адамлар әтирапыңызда көп емес ҳәм әтирапыңыздағы айырымлар сизди айыплаўды жақсы көреди. Лекин талантлы екениңиз факт. Тек усындай адамды табың.

3. Гүзетиўшең ҳәм арқанды узын таслаўшылар. Сиз ҳақыйқатты билсеңизде өзиңизди билмегенге саласыз. Адамларға имкан бересиз. Ҳәрдайым сәўбетлесиңизден гөре
ақыллырақ екениңиз билинеди. Бирақ сиз қапа қылмаў ушын буны әшкар етпейсиз. Сиздеги кемшиликтиң үлкени ойынға көп берилип кетесиз. Ҳақыйқый өмирге қайтың.

4-қулып.
Сырттан менмендей болып көринседе бирақ кемтар адамлар. Сизге бул жарасады. Адамлар сиздей бола алмағаны ушын қызғаныш пенен қараса не болыпты. Тек тез-тез жылап турыўыңызды мәсләҳәт беремиз. Себеби бул сизди жүдә жеңил қылады.

5-қулып.
Ишимдегини тап.Табалмадың ба кет. Жүдә сырлысыз. Ең жақын адамларыңызғада сырыңызды айтпайсыз. Узақты көресиз. Қыйын ҳалатлардан шығыў сизге жүдә аңсат. Тек базыда ўақтында қарар қабыл қыла алмайсыз.

Өмир сабақлары.

20 Oct, 03:17


@omir_sabaqlari

Ҳəр күни азанда жумысқа кетер екенмен, босағадан шығыўым менен ҳаялым маған əлбетте ненидур умытқанымды еслетер еди. Гейде машинаның гилтин, гейде үйдиң гилтин, гейде болса қол телефонымды, гейде тағы ненидур умытқанымды айтып, ескертип турар еди. Ҳəр күни сол жағдай. Не емиш, жасым өткен сайын умытшақ болып баратырған қусайман.Енди олсыз өзимди еплеўим де қыйын екен. Гəпинен ашыўым келседе бирақ үндемедим.
Бир күни азанда ерте турдым-да, алыўым керек болған ҳəмме заттың дизимин бир қағазға жазып алдым кейин сол дизимге қарап затларымды алдым; гилт, телефон, қол сааты, шыжлан… Ҳеш нəрсени умытпағаныма исенимли болыў ушын және бирме-бир жазылған дизимге ҳəм алған затларыма қарап шықтым. Ҳеш нəрсени умытпадым, деп күлимсирепте қойдым, себеби еле қартаймағанымды, ҳаялым еслетпесе де биймəлел өзимди өзим еплей алатуғынымды оған дәлиллеп қоймақшы едим. Болды. Ҳəмме зат таяр. Көшеге шығып енди машинаға отырып атырсам, үйден ҳаялым қоңыраў етти, телефонды көтердим ҳәм күлип жуўап бердим:
- Ҳаял, бул рет ҳəмме нәрсемди алғанман, бир нәрсеңди еслетемен деп ҳеш ҳәлек болмай-ақ қой. Еле қыршылдап турған жас жигитпен, жас жигит!
Ҳаялым қысқа етип, деди:
- Ағасы, үйге кириң, бүгин екшемби - дем алыс күни!

Икром Шариф аўдармасы

Өмир сабақлары.

20 Oct, 02:53


Ўақыт - бул тийкарғы байлық!

• Сиз ойланып отырғаныңызда кимдур тəўекел етип табысқа ерисип атыр.
• Гейде тəўекел етиўдиң де пайдалары бар.
• Қəўетер болса сизге иркиниш береди.
• Қорқыў керексиз пикирлер жыйнағы.
• Бундай пикирлерден өзиңизди тыйың.
• Ойлап отырыўға болса ўақыт жоқ!
• Сол жумысыңызды бүгин ҳəм ҳəзир ислең!

@omir_sabaqlari

Өмир сабақлары.

20 Oct, 02:52


Психотест.

Өзиңизге унаған қулыпты танлаң.

Сиз қайсы бирин ашыўды қәлейсиз?

Өмир сабақлары.

20 Oct, 02:46


💸 Қəнийгелердиң айтыўына қарағанда, азанда өзи жатқан орнын жыйнастырыўды əдет еткен ер адамлардың келешекте миллионер болыў мүмкиншилигы 206% ке асар екен... 😄

Тез байығысы келгенлерге жибериң😁

@omir_sabaqlari