ҮГХК. UGCC @ugxk_ustirt Channel on Telegram

ҮГХК. UGCC

@ugxk_ustirt


Kompleksimizde bolip atirǵan jańaliqlar hám xabarlardı usi kanalda tanısıp barıwińız múmkin.
Jaslar Awqamı
https://t.me/ugccsm

Kásiplik Awqamı
Socialliq isleri jumislari hámde basqada qılınıp atirǵan ilajlar.
25.01.2022
Admin: t.me/azamat020487

ҮГХК. UGCC (Kazakh)

ҮГХК. UGCC каналы - маңызды жаңалықтар мен хабарландырулармен толтырылған комплекс. Каналда көлөкті танысу мүмкін

Каналда сізге мүмкіндіктер:n✅ Жаслар Құламы - https://t.me/ugccsmn✅ Кәсіптік Құламыn✅ Кәсіптік іс-шаралар, басқа ілмек жағдайлар

25.01.2022 жылы орындалатын администратормен байланыс: t.me/azamat020487

ҮГХК. UGCC

29 Jan, 12:36


⚡️Hár bir shańaraq iyesi ápiwayı bolǵan órt qáwipsizligi qaǵıydaların saqlawı tiyis:

- Jas óspirim balalardı shırpı menen oynatpań hám sırtınan qulpırıp qarawsız qaldırmań;
- Pech morılarınıń janǵısh materiallardan islengen bastırması
40 santimetr qashıqlıqta bolıwı shárt hám óz waqtında qurımlardan tazalaw kerek. Morılarda jarıq bolmasın;
- jılıtıw qazanları morıların tazalatıp turıń hám sazlıǵına itibár beriń; 
- Ísıtıw úskenelerin jaǵıp qarawsız qaldırmań hám hádden tısqarı ısıp ketiwine jol qoymań;
- Gaz úskenelerinen durıs paydalanıń hám gaz iyisin sezseńiz, elektr úskenelerin qospań, shırpı jaqpań;
- Gaz úskenelerine jaqın jerge kiyim-kensheklerdi keptirmeń;
- Gaz úskenelerine rezinalı shlanga jalǵamań;
- Elektr tok esaplaǵıshtaǵı predoxranitellerdi sım menen oramań, utyug, televizor yamasa radio kabel qabıllaǵıshlardı qoyıp qarawsız qaldırmań hám balalarǵa isenip taslap ketpeń;
- Sertifikatqa iye bolmaǵan, islep shıǵarıwı belgisiz bolǵan jasalma elektr jılıtıw úskenelerinen paydalanbań;
- standart talabına juwap beretuǵın elektr jılıtıw úskenelerin paydalanǵanda qarawsız qaldırmań;
- Órt payda bolǵanda 101 yamasa 1050 telefon nomerine xabar beriń.


"Uz-Kor Gas Chemical" JSHJ IO'QTSHB inspektori leytenant A.E.Xudaynazarov

ҮГХК. UGCC

28 Jan, 13:25


#Сәўбет

Вакант лаўазымлар ушын ашық таңлаў.

“Ўзбекнефтгаз” АЖ “Бухгалтерия есабы ҳәм корпоратив есабат департаменти Банк ҳәм кредит операциялары ҳәм салықларды есаплаў ҳәм есабат бөлими жетекши эксперти” лаўазымына тәжирийбели қәнийгелер ушын ашық таңлаў болып өтетуғынлығын

Д А Ғ А З А Л А Й Д Ы !

Толық мағлыумат ушын 👇🏻
https://teletype.in/@uzbekneftegaz_ung_lot/N3N2lK3umpY
(Өзбек тилинде)

https://teletype.in/@uzbekneftegaz_ung_ru/zoHsySuOmac
(Рус тилинде)


Дерек 👉🏻 https://t.me/ao_uzbekneftegaz


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

28 Jan, 09:24


Дыққат дағаза!

Үстирт газ химиялық комплекси "Жаслар аўқамы" басламасы менен комплекс жумысшылары арасында спорттың "Шахмат" түри бойынша кең көлемли турнир өткерилиўин дағазалаймыз.

Еркеклер арасында өткерилетуғын кең көлемли турнирге буйыртпаларды тек ғана @AVLEZOV телеграмм аккаунт арқалы берсеңиз болады.



Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻

https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

27 Jan, 10:45


#Еслетпе

⚡️Зәҳәрли гази реңсиз ҳәм дәмсиз болып инсан өзиниң зәҳәрленип атырғанын дәрҳал сезбейди

⚡️Ҳүрметли пуқаралар, егер сизлерде бас аўырыў яки кеўил айныўы сыяқлы жағдайлар ушырасып атырған
болса, дәрҳал

☎️ 103 Тез жәрдем;
☎️ 104 Газ хызмети;
☎️ 1050 Айрықша жағдайлар хызметине хабар
бериң.


☝️Себеби бундай жағдайда сизди зәҳәрли газ зыянлап атырған болыўы мүмкин.

⚠️ Ҳеш қашан өз басымшалық пенен емлениў ушын дәрилерди қабыл етпең. Зәҳәрли газ реңсиз ҳәм дәмсиз болып, инсан өзиниң зәҳәрленип атырғанын дәрҳал сезбейди.

Тамақтың қышыўы, бас аўырыўы, кеўилдиң айныўы сыяқлы белгилер инсанның зәҳәрли газден зыянланып атырғанлығын билдиреди. Морыларыңызды тазаламай турып, қазанханаларыңызды қоспаң!

"Uz Kor Gas Chemical" ҚК ЖШЖ ООҚТШБ П ҳәм ҚБ инспектори капитан Н.Шукуркулов.

ҮГХК. UGCC

27 Jan, 06:37


Nókis qalası 1-sanlı sport mektebinde háweskerler arasında sporttın Mini futbol túrinen "Qaraqalpaqstan Respublikası Sport ministri kubogı"nа start berildi.

Jarıstıń ashılıw máresimine Qaraqalpaqstan Respublikası Sport ministri A.Allanazarov qatnasıp, qatnasıwshılarǵa áwmet tiledi.

Maǵlıwmat ushın: Kubokqa rayon, qala hám mákemelerden jámi 40qa jaqın komandalar qatnaspaqta, oyın eki ay dawamında hápteniń hár shembi hám ekshembi kúnleri bolıp ótedi.

Bul ken’ ko’lemli turnirde “Uz-Kor Gas Chemical” Qospa Ka’rxanasi saylandi komandasida qatnaspaqta.


https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

27 Jan, 06:30


#Сәўбет

Вакант лаўазымлар ушын ашық таңлаў.

“Ўзбекнефтгаз” АЖ “Кредиторлар ҳәм рейтинг агентликлери менен ислеў департаментине” тәжирийбели қәнийгелер ушын ашық таңлаў болып өтетуғынлығын

Д А Ғ А З А Л А Й Д Ы !

Толық мағлыумат ушын 👇🏻

https://teletype.in/@uzbekneftegaz_ung_lot/Gf5rQOUGlvG
(Өзбек тилинде)


https://teletype.in/@uzbekneftegaz_ung_ru/oCWoEebk8Pk
(Рус тилинде)


Дерек 👉🏻 https://t.me/ao_uzbekneftegaz


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

25 Jan, 11:13


Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин?

⚡️Зәҳәрли газден жаныўшы материяның (көмир, тәбиий гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.

⚡️Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди:
-Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы
-Тәбиий гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек)
-Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы
-Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди.
⚡️Зәҳәрли газден зыянланып инсан ден-саўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшиликке алып келеди.
⚡️Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң.


"Uz Kor Gas Chemical" OYoXTTEB аға инспекторы Т. Алламбергенов.

ҮГХК. UGCC

23 Jan, 12:32


Дыққат дыққат!
Қырық-Қыз посёлка турғынлары ушын әжайып жаңалық!


Қоңырат районы Қырық-Қыз посёлкасында жаңадан “Орал-Стомадент” стоматология өз жумысын баслаўын дағазалаймыз.
Кең көлемли ҳәм кең тармақлы хызмет көрсетиўши, тәжирийбели, бир неше жыллық мийнет тәжирийбесине ийе ҳәмде коплеген пациентлерге унамлы хызмет көрсетип киятырған тис шыпакери Гүлназ Абатова енди Ақшолақта өз жумысын даўам етеди.
24.01.2025 сәнесинен баслап, посёлка орайында жайласқан имаратта (мектеп жанындағы бурынғы магазин) саат 09:00 ден баслап қабыллаў даўам етеди.
Жумысшылардың жумыстан шығыў ҳәмде смена жумысшыларының ўақтына қарап ис ўақыты өзгере береди.

Толық мағлыўмат ушын ☎️📞

+998975008215


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың

👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

20 Jan, 07:26


#ЕСЛЕТПЕ

Алдаўшылардан абайлы болың!

⚡️"Айрықша жағдайлар, өрт қәўипсизлиги хызметиненмен, пуллы шәртнама дүзбесең жәрийма саламан" деп пуқараларды алдап пул жыйнап жүргенлер "исбилерменлер" бар.

☝️Еслетпе:
Бундай хызметлерди көрсетиўши ЖШЖ лер Айрықша жағдайлар басқармасына қараслы емес. Пуқаралардың турақ жайларындағы морыларды тазалап бериў, газ плиталарын ямаса электр тоқ сымларын оңлап бериў ҳәм т.б. усыған байланыслы хызметлер менен шуғылланыў Айрықша жағдайлар министрлигиниң хызмет ўазыйпасы есапланбайды.
Ҳүрметли пуқаралар, алдаўшылардан абайлаң! Морыларды тазалатып болғаннан кейин төлемди әмел асырың!!!

ЖШЖ ООҚТШБ П ҳәм ҚБ инспектори капитан Х.Базарбаев.

ҮГХК. UGCC

17 Jan, 06:15


ҲҮРМЕТЛИ ТРАНСПОРТ БАСҚАРЫЎШЫЛАРЫ!

Ҳәзирги ўақытта республикамызда ҳаўа райы өзгерип, қар жаўып, жерлер тоңлаўына байланыслы жолларда тезликти асырмаў, жолаўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол ҳәрекети ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде ҳәрекет қәўипсизлигине қатаң әмел етиўиңизди сорап қаламыз.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың

👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

16 Jan, 05:23


#Uz_Kor_Gas_Chemical
#HDPE

"Uz-Kor Gas Chemical" қоспа кәрханасы "Жоқары тығызлықтағы полиэтилен" цехы басшылары тәрепинен жумысшыларды хошаметлеў илажы өткерилди.

"Жаңа жыл" байрамы ҳәмде 14-январь “Ўатан қорғаўшылар күни” мүнәсибети менен жумысшылар арасында "Үлгили ҳәм актив смена жумысшылары" сыйлықланды.
Кәрхана басшылары атынын "Ислеп шығарыўды басқарыў" бөлими басшысы У.Ю.Останов ҳәмде цех басшысы Ф.Юсуповлар жәнеде бәрше сөзге шыққан цех жетекши инженерлери бәрше сыйлықланған жумысшыларды қутлықлап, жыл даўамында өзлериниң минез-ҳулықы, жумысқа болған тырысқақлығы, өз кәсибине болған ҳүрмети жәнеде басқа жумысшыларға бирдей өрнек бола алатуғын жумысшыларды айрықша атап өтти ҳәм кәрханамыз "Кәсиплик аўқамы" тәрепинен берилген қымбат баҳалы саўғалар менен хошаметледи.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың

👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

14 Jan, 17:36


14-январь “Ўатан қорғаўшылары күни” мүнәсибети менен Қоңырат районы Қырық-Қыз посёлкасында жайласқан Әскерий бөлим хызметкерлери ушын байрам дастурханы жайылды.
Байрам әскерий бөлим басшылары ҳәм кәрханамыз басшылары жәнеде бир қатар мийманлар қатнасыўында ашып берилди.
Илажда сөзге шыққанлар бүгинги байрам менен қызғын қутлықлап, ўатан алдындағы мәжбүриятларын шын кеўилден атқарыўына үлкен исенимлер билдирди ҳәмде бир қатар әскерий бөлим хызметкерлерин хошаметлеп, оларға мақтаў жарлықлары жәнеде қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.
Байрам илажлери көтериңки кейпиятта өткерилип, концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Кәрханамыз ҳәмде әскерий бөлимлер бойлап байрам кейпиятлары даўам етпекте.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

14 Jan, 15:43


Кәрханамыз бойлап байрам кейпияты даўам етпекте.
Бүгинги 14-январь “Ўатан қорғаўшылары күни” мүнәсибети менен өзгеше активлиги менен өткерип атырған “Администрация бөлими” ҳаял-қызлары қәнийгелери өз бөлиминде хызмет етип атырған кәсиплес ер-азаматларды қызғын қутлықлап, бир дастурхан әтирапында жыйналды.
Бундай көтериңки кейпиятта ҳәм күтилмеген итибардан бөлим жумысшылары бәршеден миннетдар екенлигин билдирип өтти.

Кәрханамыз бойлап байрам кейпиятлары даўам етпекте.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

14 Jan, 13:23


14-январь “Ўатан қорғаўшылары күни” байрамы кейпияты комплексимиз бойлап даўам етпекте.
Усындай илажлердиң бири кәрханамыз “Электр тәмийнаты” цехы көлеминде де кеңнен белгиленди.
Жыйналғанлар бундай итибар ҳәм қутлықлаўлар ушын миннетдаршылықлар билдирип, бәршеге жуўапкершиликли жумысларында тасқын табыслар тиледи.

Кәрханамыз бойлап байрам кейпиятлары даўам етпекте.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

14 Jan, 07:32


Ўатанды қорғаў - Уллы хызмет!

Ел-журт ушын хызмет етиў ҳәм оны қорғаў тек ғана әскерий тараўлар ушын емес ал бәлким, өзиниң билими, зийреклиги ҳәм шаққанлығы менен мәмлекет эканомикасына жәнеде раўажланыўына өз үлесин қосыўыда есапланады.
Кәрханамыз бир неше ҳаял-қызлар қәнийгелери тәрепинен қызғын қутлықлаўлар даўам етпекте.
Усындай илажлердиң бири кәрханамыз “Ислеп шығарыўды басқарыў” бөлими ҳаял-қызлар қәнийгелери тәрепиненде бүгин 14-январь “Ўатан қорғаўшылар күни” мүнәсибети менен өзгеше ҳәмде әжайып тәризде қутлықлаўларды жәнеде қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықлаўды әмелге асырды.

Кәрханамыз бойлап байрам кейпиятлары даўам етпекте.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

14 Jan, 05:22


Ҳәр тараўда өзлериниң шаққанлығы ҳәм итибарлылығы менен тынып-тыншымаған кәрханамыз “Администрация бөлими” ҳаял-қызлары және бир қатар кәсиплес ер-азаматларымызды бүгинги 14-январь “Ўатан қорғаўшылары күни” менен шын кеўилден қутлықлап өзлериниң жыллы тилеклерин билдирди.
Кәрханамыз АБК бас имаратында хызмет етиўши бәрше кәсиплеслеримиз бүгинги байрам саўғалары ҳәмде әжайып тәризде жайылған байрам дастурханы әтирапында жыйналды.

Кәрханамыз бойлап байрам кейпиятлары даўам етпекте.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

02 Jan, 14:51


Qaraqalpaqstan Respublikası Moynaq rayonında jaylasaqan "Aq keme" balalardı sawallandırıw orayı balalardıń qısqı dem alıwı ushın qısqı máwsimge start berildi.

Derek 👇🏻👇🏻

https://t.me/aq_keme_moynaq

ҮГХК. UGCC

02 Jan, 11:08


#Uz_kor_gas_chemical
#aq_keme
#moynaq

Алдын хабар бергенимиздей кәрхана-шөлкем ҳәм мәкемелер жумысшыларының перзентлери “Қысқы дем алыс” күнлерин мазмунлы ҳәм табыслы өткериў мақсетинде Мойнақ районында жайласқан “Ақ кеме” балаларды саўаландырыў орайына бир неше мектеп жасындағы балалар жетип келди.
Кәрханамыз басшылары ҳәм социал ислери бойынша ўәкили, кәсиплик аўқамы қәўендерлигинде шөлкемлестирилген бир ҳәптелик дем алыў орайына кәсиплеслеримиздиң де бир қанша балаларыда кеўилли кейпият пенен жол алды.
Бәрше қолайлықлар толық жаратылған бул орайда балалар “Таза жыл кейпияты” менен күтип алынды.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

31 Dec, 18:44


🎉 Ҳүрметли ўатанласлар ҳәм қәдирли кәсиплеслер!

Сизлерди кирип киятырған жаңа 2025-жыл менен шын кеўилден қутлықлаймыз! Жаңа-жылда бәршеңиздиң шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, беккем денсаўлық, таўсылмас бахыт тилеймиз! Өтип баратырған жылда ерисе алмаған нийетлериңизге, 2025-жылы ерисиў несип етсин!
Ҳеш қашан шаңарағыңызды қуўанышлы күнлер тәрк етпесин! Кейинги жаңа жылларға, кейинги байрамларға төрт көз түўел жетисип жүре бергеймиз! Сизлерди тағы бир мәрте кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен шын кеўилден қутлықлаймыз!

Жаңа жылыңыз бенен!!!


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

30 Dec, 06:21


#СӘЎБЕТ

"Uz-Kor Gas Chemical" ҚК “Темир жолшылар" цехына сәўбет өткерилиўи ҳаққында

                      Д А Ғ А З А !

“Темир жолшылар" цехына
"Машинист жәрдемшиси лаўазымына" V-разряд пенен 1 (бир) жумыс орыны.

📌 Сәўбет ушын резюмелер ҳәмде тийисли ҳүжжетлерди қабыл қылыў бүгиннен баслап 2025-жыл 6-январь сәнеси, саат 16:00 ге шекем текғана [email protected] электрон мәнзили арқалы қабылланады.

Еслетпе. Усы бос орынға, талапларға жуўап беретуғын талабанлардың ҳүжжетлери көрип шығылады ҳәм жоқардағы электрон мәнзил арқалы қабылланады. 

Талабанлардан электрон мәнзилимизге жиберип атырған резюмелерде, байланыс ушын телефон номерлерин киритиўин ҳәм жиберген резюмени қайта-қайта тасламаўын сорап қаламыз.

Толық мағлыўматты 👇
http://www.uz-kor.com/index.php/ru/vakansii сайтынан алсаңыз болады.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

29 Dec, 03:24


#СӘЎБЕТ

"Uz-Kor Gas Chemical" ҚК “Әсбапларды қадағалаў ҳәм Автоматика” (КИП и А) цехына сәўбет өткерилиўи ҳаққында

                      Д А Ғ А З А !

“Әсбапларды қадағалаў ҳәм Автоматика” (КИП и А) цехына "Приборист хызметин көрсетиўши" (Приборист) пухаралық хызмет шәртнамасы бойынша II-разряд пенен 12 (он еки) жумыс орыны.

📌 Сәўбет ушын резюмелер ҳәмде тийисли ҳүжжетлерди қабыл қылыў бүгиннен баслап 2025-жыл 6-январь сәнеси, саат 16:00 ге шекем текғана [email protected] электрон мәнзили арқалы қабылланады.

Еслетпе. Усы бос орынға, талапларға жуўап беретуғын талабанлардың ҳүжжетлери көрип шығылады ҳәм жоқардағы электрон мәнзил арқалы қабылланады. 

Талабанлардан электрон мәнзилимизге жиберип атырған резюмелерде, байланыс ушын телефон номерлерин киритиўин ҳәм жиберген резюмени қайта-қайта тасламаўын сорап қаламыз.

Толық мағлыўматты 👇
http://www.uz-kor.com/index.php/ru/vakansii сайтынан алсаңыз болады.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

28 Dec, 14:01


#Uz_Kor_Gas_Chemical

"Uz-Kor Gas Chemical" қоспа кәрханасы "Администрация" бөлими басшылары тәрепинен жумысшыларды хошаметлеў илажы өткерилди.

"Жаңа жыл" байрамы мүнәсибети менен ҳәмде жумысшылар арасында "Үлгили жумысшылар, бәршеге өрнек болатуғын смена жумысшылары" Кәрхана басшылары ҳәмде бәрше сөзге шыққан бөлим жетекши инженерлери тәрепинен сыйлықланды.
Жыйналғанларды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап байрам дастурханы жайылды.
Жыл даўамында өзлериниң минез-ҳулықы, жумысқа болған тырысқақлығы, өз кәсибине болған ҳүрмети жәнеде басқа жумысшыларға бирдей өрнек бола алатуғын жумысшыларды айрықша атап өтти ҳәм кәрханамыз "Кәсиплик аўқамы" тәрепинен берилген қымбат баҳалы саўғалар менен хошаметледи.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың

👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

27 Dec, 08:16


#бес_баслама
#Uz_Kor_Gas

Жаңа жыл байрамы алдынан кәрханамызда бир қатар жумысшылар сыйлықланды!


Алдын хабар бергенимиздей Қоңырат районында өткерилген спорттың волейбол, шахмат, шашка түрлери бойынша ҳаял-қызлар ҳәмде еркеклер арасындағы турнир жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.
Район көлеминде кеңнен өткерилген бул турнирде кәрханамыздың тийисли спортшылары ҳәм командалары қатнасып, жүдә қызғын ҳәм бәсекилерге бай ойын көрсетти.

Кәрханамыз “Кәсиплик аўқамы” қәўендерлигинде усы спортшыларды мақтаў жарлықлары жәнеде қымбат баҳалы саўғалар менен хошаметлеў илажлери өткерилди.
Кәрхана басшылары атынан сөзге шыққанлар кирип киятырған "Жаңа жыл" байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеге жақсы тилеклер ҳәм келеси спорт жарысларында кәрханамыз атынан буннанда жоқары нәтийжелерге ерисиўине исеним билдирди.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

27 Dec, 06:49


🎄🎄🎄 Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен Қоңырат районында эстрада жулдызлары қатнасыўында кең көлемли Гала концерт шөлкемлестириледи.

2024-жыл, 30-декабрь, саат 17:00 де.

Мәнзилимиз: Қоңырат районы "Жаслар парки"


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

26 Dec, 12:19


#СӘЎБЕТ

"Uz-Kor Gas Chemical" ҚК “Темир жолшылар" цехына сәўбет өткерилиўи ҳаққында

                      Д А Ғ А З А !

“Темир жолшылар" цехына
"Машинист жәрдемшиси лаўазымына" V-разряд пенен 1 (бир) жумыс орыны.

📌 Сәўбет ушын резюмелер ҳәмде тийисли ҳүжжетлерди қабыл қылыў бүгиннен баслап 2025-жыл 6-январь сәнеси, саат 16:00 ге шекем текғана [email protected] электрон мәнзили арқалы қабылланады.

Еслетпе. Усы бос орынға, талапларға жуўап беретуғын талабанлардың ҳүжжетлери көрип шығылады ҳәм жоқардағы электрон мәнзил арқалы қабылланады. 

Талабанлардан электрон мәнзилимизге жиберип атырған резюмелерде, байланыс ушын телефон номерлерин киритиўин ҳәм жиберген резюмени қайта-қайта тасламаўын сорап қаламыз.

Толық мағлыўматты 👇
http://www.uz-kor.com/index.php/ru/vakansii сайтынан алсаңыз болады.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

26 Dec, 08:39


#СӘЎБЕТ

"Uz-Kor Gas Chemical" ҚК “Әсбапларды қадағалаў ҳәм Автоматика” (КИП и А) цехына сәўбет өткерилиўи ҳаққында

                      Д А Ғ А З А !

“Әсбапларды қадағалаў ҳәм Автоматика” (КИП и А) цехына "Приборист хызметин көрсетиўши" (Приборист) пухаралық хызмет шәртнамасы бойынша II-разряд пенен 12 (он еки) жумыс орыны.

📌 Сәўбет ушын резюмелер ҳәмде тийисли ҳүжжетлерди қабыл қылыў бүгиннен баслап 2025-жыл 6-январь сәнеси, саат 16:00 ге шекем текғана [email protected] электрон мәнзили арқалы қабылланады.

Еслетпе. Усы бос орынға, талапларға жуўап беретуғын талабанлардың ҳүжжетлери көрип шығылады ҳәм жоқардағы электрон мәнзил арқалы қабылланады. 

Талабанлардан электрон мәнзилимизге жиберип атырған резюмелерде, байланыс ушын телефон номерлерин киритиўин ҳәм жиберген резюмени қайта-қайта тасламаўын сорап қаламыз.

Толық мағлыўматты 👇
http://www.uz-kor.com/index.php/ru/vakansii сайтынан алсаңыз болады.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

26 Dec, 08:21


#Uz_Kor_Gas_Chemical



"Uz-Kor Gas Chemical" қоспа кәрханасы "Электр тәмийнаты" цехында әжайып тәризде жумысшыларды хошаметлеў илажы өткерилди.

"Электриклер күни" хәмде "Үлгили жумысшылар, бәршеге өрнек болатуғын смена жумысшылары" Кәрхана басшылары хәмде бәрше сөзге шыққанлар жәнеде цех басшылары тәрепинен сыйлықланды. Жыйналғанларды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап байрам дастурханы жайылды.
Жыл даўамында өзлериниң минез-ҳулықы, жумысқа болған тырысқақлығы, өз кәсибине болған ҳүрмети жәнеде басқа жумысшыларға бирдей өрнек бола алатуғын жумысшыларды айрықша атап өтти ҳәм кәрханамыз "Кәсиплик аўқамы" тәрепинен берилген қымбат баҳалы саўғалар менен хошаметледи.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың

👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

08 Dec, 03:47


Бүгин, Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн

Өзбекстан Республикасы Конституциясы 1992-жылдың 8-декабрь сәнесинде қабыл етилген. Конституция 6 бөлим, 27 бап ҳәм 155 статьядан ибарат.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻

https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

07 Dec, 11:26


Ассалаўма әлейкум кәрханамыз хызметкерлери.

Үстирт ГХК "Жаслар аўқамы"нан жаңа жойбар!!!

Усы жылдың 21-декабрь сәнесинде съёмка қылыныўы режелестирилип атырған "Ашық сәўбет" дәстүриниң дәслепки мийманы кәрханамыз "Ислеп шығарыўды басқарыў бөлими" жумысшысы Уктам аға Останов болады.

Уктам Остановқа қандай позитив ҳәм негатив сораўларыңыз (Уктам Остановқа, ислеп шығарыўға байланыслы ҳәм басқада кәрхана келешегине байланыслы қызықлы сораўлар, шаңарақ ағзаларынан тысқары сораўлар) болса t.me/azamat020487 аккаунтына жоллаўыңыз мүмкин.

Бәрше сораў ийелери толық сыр тутылады.

Дәстүрдиң толық нусқасы декабрь айының ақырында, Таза жыл байрамы қарсаңында инәм етиледи.

Ўақыт аз қалмақта. Қызықлы ҳәм позитив сораўларыңызды күтип қаламыз.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻

https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

07 Dec, 02:04


❗️Шторм хабарландырыў

Усы жылдың 8-11-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына суўық
ҳаўа массалары
кирип келиўи күтилмекте.

Ҳаўаның температурасы түнде 5-10 градус суўыққа шекем, күндиз 0-5 градус суўыққа шекем, арқа аймақларда түнде 8-13 градус суўыққа шекем, күндиз 2-7 градус суўыққа шекем пәсейеди. 8-декабрьде республика бойынша айырым жерлерде қар жаўады.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

06 Dec, 12:19


#Сәўбет

Вакант лаўазымлар ушын ашық таңлаў.

“Ўзбекнефтгаз” АЖ “Ишки аудит хызмети баслығы (бас аудитор) лаўазымына” тәжирийбели қәнийгелер ушын ашық таңлаў болып өтетуғынлығын

Д А Ғ А З А Л А Й Д Ы !

Толық мағлыумат ушын 👇🏻

https://teletype.in/@uzbekneftegaz_ung_lot/OnFHaQ3KpD_
(Өзбек тилинде)


Дерек 👉🏻 https://t.me/ao_uzbekneftegaz


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

06 Dec, 11:07


#koncert

“Қарақалпақстан көркем-өнер сарайында” 12-13 декабрь күнлери еки сеанста яғный саат 15:00 ҳәмде 18:00 де “Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист” Раджив Атажанов ҳәмде эстрада жулдызы Узақберген Дошбаевлардың “Ата балалары” атлы жеке концерт бағдарламасына бәршени мирәт етип қаламыз.

Билетлер сарай кассаларында сатылмақта.

Толық мағлыўмат ушын,
+998913770086 ямаса
+998934288300 телефонларына қоңыраў етип билсеңиз болады.

ҮГХК. UGCC

06 Dec, 06:03


❗️Углерод оксиди (CO) зәҳәрли газ.

Жанылғылар күнделикли турмысымызда кең қолланылады ҳәм ҳәр күни турар жайларымызда қолланылады. Ысытыў қазанлары ҳәм двигателлерде жандырылған газ, нефт, көмир, ҳәттеки ағаш материалларында да углерод оксидин (CO) зәҳәрли газ шығарыўы мүмкин.

Ысытыў үскенелери (котёл) туўры орнатылғанда ҳәм де оларға техникалық хызмет турақлы түрде көрсетилгенде, CO зәҳәрли газ пайда болыў итималлығы сезилерли дәрежеде кемейеди.

Углерод оксиди (CO) зәҳәрли гази менен зәҳәрлениў қурбанларының көпшилиги ысытыў үскенелеринде жетерли дәрежеде ҳаўа алмасыў мүмкиншлиги жаратылмағанлығы нәтийжесинде келип шығады. 

Сиз турар жайларда ысытыў үскенелеринен пайдалансаңыз, төмендегилерге әмел етиўиңиз керек:

Ысытыў үскенесин турар жай имаратынан бөлек жайластырыў;

Ысытыў үскенеси орнатылған ханада ҳәм де үскенениң өзинде тийисли самаллатыў илажын ислеў;

Ысытыў үскенеси туўры орнатылыўы, яғный ысытыў үскенесиниң морысы 600 мүйеш астында ямаса тик етип қурылыўы ҳәм де турар жай имаратының төбесинен 50 см шығып турыўы; 

Ҳәр жылы, ысытыў мәўсиминен ҳәм де пайдаланыўдан алдын ысытыў үскенесине техникалық хызмет көрсетилиўи, яғный ысытыў үскенесиниң морысы ҳәр түрли шығындылардан тазаланыўы;

Егер сиз көп қабатлы турар жайларда хананы ысытпақшы болсаңыз, онда ишки ысытыў үскенеңиздиң орнына көп қабатлы турар жайға келип турған орайластырылған ямаса локал ыссылық системасына жалғаныўыңыз керек ямаса заводта ислеп шығарылған (қәўипсизлик талапларына туўры келетуғын) ысытыў үскенесинен пайдаланыўыңыз керек.


“Uz-Kor Gas Chemical” ЖШЖ ООҚТШБ П ҳәм ҚБ инспектори капитан Х.Базарбаев.

ҮГХК. UGCC

05 Dec, 13:39


❄️ Қарақалпақстанда ─12° қа шекем күн суўытыўы күтилмекте

Гидрометеорология хизметиниң хабар бериўине қарағанда, 7-9-декабрь күнлери ҳаўа бираз бултлы болады. 7-декабрь күни айырым жерлерде азғана қар жаўыўы мүмкин, 8-9-декабрь күнлери жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал арқадан 7-12 м/с тезликте есип, 7-8-декабрь күнлери айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. 7-декабрьде түнде 3-8° суўық, күндиз 2° жыллы -3° суўық; 8-декабрьде түнде 5-10° суўық, күндиз 0-5° суўық; 9-декабрьде түнде 7-12° суўық, күндиз 2-7° суўық болыўы күтиледи.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

04 Dec, 16:11


#Uz_Kor_Gas
#Órt_qáwisizligi_aylıǵı
#etilen_islep_shigʻariw_tsexi

Күнниң екинши ярымында қатнасыўшылар тийкарғы ҳәм шешиўши ең соңғы шәрт яғный “Өрт қәўипсизлиги ҳәм Санаат қәўипсизликлери бойынша” викторина шәртин өткериў ушын АБК бас имаратына жыйналды.
Жүдә бәсекилерге ҳәм тартысларға жәнеде қызғын тәризде алып барылған бул шәртте;
1-орынды “Ыссылық секция” командасы толық үстинлик пенен жеңиске ерискен болса,
2-орынды “Суўықлық секция” командасы ийеледи.
3-орынды “Инженерлер”
командасы ийеледи.
Қатнасыўшыларға кәрханамыз “Кәсиплик аўқамы” тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар ҳәм ҳүрмет жарлықлар тапсырылды.

Бәрше қатнасыўшыларға цех басшылары ҳәм төреши ағзалары тәрепинен өткерилген таңлаўдағы қатнасқаны ҳәм активлиги ушын миннетдаршылықлар билдирилди.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

01 Dec, 05:24


"1-декабрь Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген кунге" 35 жыл толды.

Тил – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, бизге жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады.
Усы бийбаҳа байлығымызды көздиң қарашығындай сақлап, келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў бәршемиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады.
Сонлықтан, бул ўазыйпаның әҳмийетин түсинип, жасларымызды ана-тилимизге, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў жолында бәршемиз бирдей ҳәм теңдей мийнет етиўимиз лазым.


Каналға қосылыў ушын төмендеги
силтемени басың

👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

29 Nov, 17:19


Ассалаўма әлейкум кәрханамыз хызметкерлери.

Үстирт ГХК "Жаслар аўқамы"нан жаңа жойбар!!!

Тез-арада каналымызда "Ашық сәўбет" дәстүри өткерилиўи режелестирилмекте.
"Ашық сәўбет" дәстүриниң дәслепки мийманы кәрханамыз "Ислеп шығарыўды басқарыў бөлими" жумысшысы Уктам аға Останов болады.

Уктам Остановқа қандай позитив ҳәм негатив сораўларыңыз (Уктам Останов тәрепинен хақлық ямаса қай жерлердедур наҳақлық сезилген болса, шаңарақ ағзаларынан тысқары сораўлар) болса t.me/azamat020487 аккаунтына жоллаўыңыз мүмкин.

Бәрше сораў ийелери толық сыр тутылады.

Дәстүр усы жылдың декабрь айында өткерилиўи көзде тутылған ҳәм ол видео көринисинде болады.

Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻

https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

29 Nov, 12:58


Ассалаўма әлейкум Ҳүрметли Ўатанласлар ҳәм Кәсиплеслер!

Ҳәзирги күнге шекем республикамызда шығып турған бир қанша газета-журналларымызға жазылыў дым төмен болғаннан соң газеталарымыздың ендигиден былай шықпай қалыў қәўипи жүдә жоқары.

Бийпәрўалығымыз ҳәм бул иске биргеликте ғайрат салмай итибарсыз болсақ жәнеде газеталарымызға жазылыўды ҳәзирден басламасақ руўхый байлығымыздың бир сағасы болып турған бир қанша газеталарымыз яғный атап айтқанда, "Қарақалпақ әдебияты", "Еркин Қарақалпақстан", "Қарақалпақстан жаслары" киби жәнеде бир неше газеталарымыз, "Арал қызлары" журналындай болып жаўылып қалыў итималы болып турыпты әзизлер.

Руўхый ғәзийнелеримиздиң сағасы болған
Газета, журналларымызды сақлап қалайық Ҳүрметли зыялы қәўим!



Каналға қосылыў ушын төмендеги
силтемени басың

👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

29 Nov, 12:24


#Жаслар_күни
#Ўзбекнефтгаз
#Uz_Kor_Gas_Chemical

"Ўзбекнефтгаз" АЖ
тәрепинен жыл даўамында шөлкемлестирилип атырған "Жаслар экскурсиясы" даўам етпекте.
Нәўбеттеги экскурсия Ташкент қаласында болып өтпекте.
"ЎзЛИТИнефтгаз" АЖ нен басланған бүгинги илажда АЖ тиң барлық жумыс системасы, Базалық стандартластырыў бөлимлери, ИТ технологиялары, Ретрофизика илимий лабараториясы, Автоматика, телемеханика ҳәм тармақлар бөлимлери ҳәм жәнеде тараўға тийисли бир қанша бөлимлердиң жумыслары менен жақыннан танысты.
"Жаслар күни" шеңбериндеги экскурсия даўам етпекте.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻

https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

28 Nov, 16:21


Ўәде ўәде жигитлер!!!

Алдын хабар бергенимиздей “Ўзбекнефтгаз” АЖ ҳәмде “Энергетика министрлиги” тәреплеринен өткерилген кең көлемли “Заковат” интеллектуал ойынында толық жеңиске ерискен бир қатар кәсиплес жасларымыз ҳәзирде Египетте кеўилли дем алыста.
"Өзбекстан Энергетика, Нефть газ ҳәм геология жумысшылары кәсиплик аўқам Республика Кеңеси" тийкарғы қәўендер есапланған бул режели тур-жойбарда өзгеше бағдарлама, өзгеше кейпият пенен басланды.
“Заковат” арқалы шет-еллерге шығып дем алып қайтыў имканияты бул-әлбетте ешкимниң ойына келмегени анық.

Кеўилли дем алың жигитлер!!!


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

26 Nov, 03:58


#электр_қәўипсизлиги

Күнделикли өмиримизде электр буйымларынан қәўипсиз пайдаланыў бойынша арнаўлы көрсетпелерге әмел қылсақ, келип шығыўы мүмкин болған барлық кеўилсиз жағдайлардың алдын алған боламыз.

Бәрше қәўипсизликлерге әмел қылың, өз өмириңизди қәўипке қоймаң!


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

25 Nov, 08:41


Зәҳәрли газ ийисинен сақланың!

ҮГХК. UGCC

24 Nov, 03:49


Өрт өшириўшилердиң хызмет транспорты.
1905-жылда жаратылған бул транспорт сол ўақытлары көплеген өртлердиң алдын алыўда хызмет еткен.



Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

23 Nov, 14:57


Энергетика министрлиги” ҳәмде “Ўзбекнефтгаз” АЖ тәрепинен шөлкемлестирилген “Жаслар ушырасыўы” көтериңки кейпиятта өткерилмекте.
Бәрше тараў жаслары ҳәмде жас энергетиклер Жоқары Шыршық районында жаңадан иске түсирилген қуяш фотоэлектр станциясы жумысы менен жақыннан танысты.
“ACWA Power” компаниясы тәрепинен қурып пайдаланыўға тапсырылған қуяш фотоэлектр станциясы жумысы, режими ҳәмде бәрше тараўға тийисли қызықлы мағлыўматлар берилди.
Оннан кейин бәрше жаслар ҳәм энергетиклер “Энергетика министри орынбасары” Умид Мадаминов Махмудович пенен ушырасты.
Тараўға тийисли барлық сораўларға толық жуўап берилди.

Жаслар ушырасыўы көтериңки кейпиятта өткерилди.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

23 Nov, 06:12


#бес_баслама
#Қоңырат_районы
#Uz_Kor_Gas

Спорттың бир неше түри бойынша Қоңырат районында өткерилип атырған кең көлемли турнир өз жуўмағына жетти.
Ең соңғы спорт түрлеринде қатнасқан яғный шахмат ҳәм шашка түрлериненде кәрханамыздың бир неше спортшылары өз әўметлерин сынап көрди.
Қызғын өткерилген турнир жуўмақларына көре
🥉 орын “Шашка” Мустапаев Полат
🥈 орын “Шашка” Аяпова Мийригүл
(ҳаял-қызлар арасында) лер ийеледи.

Спорттың “Шахмат” түри бойынша қатнасқан кәсиплеслеримиздиң нәтийжелери төмендегише;
🥇 орын Аметов Алымжан.
🥇 орын Ембергенова Феруза
(ҳаял-қызлар арасында) лар ийеледи.

Улыўма есапта бәрше биринши орынды ийелеген спортшылар яғный спорттың;
📌 Волейбол түри,
📌 Шахмат түри (ерлер арасында)
📌 Шахмат түрлери
(ҳаял-қызлар арасында) бойынша
2-9 декабрь аралықларында Нөкис қаласында болып өтетуғын республика басқышында қатнасыў имканиятын қолға киритти.

Бәрше қоллап-қуўатлап турған кәсиплеслеримизге өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.


Каналға қосылыў ушын

👇🏻👇🏻

https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

23 Nov, 03:17


Кәрханамызда мийман болып турған “Кәсиплик аўқамы” тараўы ўәкиллери, күнниң екинши ярымында кәрханамыз “Жаслар аўқамы” жетекшиси ҳәм координаторлары менен жәнеде кәрханамыз актив жаслары менен ушырасты.
Ушырасыўда көплеген жетискенликлер ҳәм усы күнге шекемги жаслар сиясаты, бәрше тараўлардағы әмелге асырылған ислер менен танысты ҳәм атап айтқанда кәрханамыз “Заковат” интеллектуал ойынының сайланды командасы республикамыздың көплеген басқышларында сыйлы орынларды алып, Нефть газ санааты тараўындағы салмақлы орыны бар екенлигин атап өтти.
Быйылғы “Ўзбекнефтгаз” АЖ системасында сыйлы 1-орынды, “Энергетика министриниң” ашық турниринде сыйлы 1-орынды ийелегенликлерин айтып, кәрханамыз “Заковат” сайланды командасының бәрше ағзаларына саўға сыпатында “Кәсиплик аўқамы” тәрепинен Египетке саяҳат қылыў ушын жолланбалар берилиўин айрықша атап өтти.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

22 Nov, 12:16


Өзбекстан Энергетика, Нефть газ ҳәм геология жумысшылары кәсиплик аўқамлары Тармақлық Республика Кеңеси баслығы биринши орынбасары С. С. Тухтаев ҳәмде Тармақлық Республика Кеңеси баслығы орынбасары С.С. Эгамбердиевлер кәрханамызда мийманда болды.
Күн тәртибиндеги мәселелердиң тийкарғысы, жумысшыларға қаратылған итибар, оларға жаратылған қолайлықлар ҳәм имканиятлар жәнеде барлық қәўипсизликлер менен жақыннан танысты.
Сәўбет даўамында кәрханамыз “Кәсиплик аўқамы” жумыс барысы менен жәнеде олардың жумысшылар менен алып барып атырған ис-илажлери менен жақыннан танысты.
“Кәсиплик аўқамы” жыллық ис режелери, олардың өз ўақтында атқарылыўы киби ислер мененда жақыннан танысып өз усынысларын ҳәмде қосымшаларын берди.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

21 Nov, 16:42


#Сәўбет

Вакант лаўазымлар ушын ашық таңлаў.

“Ўзбекнефтгаз” АЖ “Инвестициялар, санаат хәм инновация департаменти, Санаат өнимлерин ислеп шығарыу хәм хызметлер мониторинги бөлими Менеджери жетекши қәнийгеси” лаўазымлары ушын ашық таңлаў болып өтетуғынлығын

Д А Ғ А З А Л А Й Д Ы !

Толық мағлыумат ушын 👇🏻

https://teletype.in/@uzbekneftegaz_ung_lot/vU4oZmA8Ikg (Өзбек тилинде)

https://teletype.in/@uzbekneftegaz_ung_ru/NsiK0VjRWgF (Рус тилинде)


Дерек 👉🏻 https://t.me/ao_uzbekneftegaz


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

21 Nov, 16:38


Iyis gazı ne?
Iyis gazı (uglerod oksidi) - reńsiz, ta'msiz, iyissiz za'ha'rli gaz. Ximiyalıq formulası - CO2. Ol jer júzinde energiyanıń jedel qollanılıwınan júzege keliwshi, tábiyatda eń kóp tarqalǵan uwlı zatlaytuǵın gazlardan biri bolıp tabıladı.
Qazıp alınatuǵın janar maylardıń tolıq janbasligi iyis gazınıń bas dáregi esaplanadı. Ol tiykarinan kómir, tábiyiy gaz hám basqa janar maylardıń tolıq janbasligi sebepli júzege keledi. Nápes alınatuǵın hawa quramında 0, 1 procent iyis gazınıń bolıwı ólim jaǵdayına alıp keliwi múmkin! Iyis gazı organizmge túskende ol qan quramındaǵı gemoglabin hám kislorod tasıwshı eritrotsitlardi óz-ara baylanıstırıp, kisloroddıń dene boylap háreketleniwin shekleydi. Nátiyjede insan ózin joǵaltadi.
Iyis gazınen záhárleniwdiń ulıwma belgileri:
• Bas miy sistemasında : uyqiǵa tartıw, bas aylanıwı, bas awrıwı, ózin joytıw ; • Kóriw sistemasında : kóz aldınıń qaranǵilesiwi;



“Uz-Kor Gas Chemical”MChJ OYoXTTEB inspektori Tolibaev.D

ҮГХК. UGCC

20 Nov, 17:35


#бес_баслама
#Қоңырат_районы
#Uz_Kor_Gas

Спорттың бир неше түри бойынша Қоңырат районында өткерилип атырған кең көлемли турнир даўам етеди.
21.11.2024 сәнесинде режелестирилген ойынлар тәртиби төмендегише;

🏓 Стол теннис ҳаял-қызлар арасында.
Кәрханамыз атынын Каллилаева Дилбар (Электр тәмийнаты цехы) қатнасады.

🏓 Стол тенниси ерлер арасында.
Кәрханамыз атынан Айымбетов Серик (Этилен ислеп шығарыў цехы) қатнасады.


Кәсиплеслеримизди биргеликте қоллап-қуўатлап турайық әзизлер!


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻

https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

20 Nov, 16:12


#бес_баслама
#қоңырат_районы
#Uz_Kor_Gas

Алдын хабар бергенимиздей Қоңырат районында өткерилип атырған спорттың волейбол түри бойынша ҳаял-қызлар арасындағы турнир бүгин өз жуўмағына жетти.
Район көлеминде кеңнен өткерилген бул турнирде 10 нан зыят команда қатнасып, жүдә қызғын ҳәм бәсекилерге бай болды.
Кәрханамыз “Кәсиплик аўқамы” қәўендерлигинде дүзилген сайланды команда қызлыры бул турнирде теңсиз екенлигин дәлиллеп, сыйлы 1-орынды ийеледи.

Қоллап-қуўатлап турған бәршеге касиплеслеримизге өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇🏻👇🏻

https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

20 Nov, 09:07


📌 Президент Шавкат Мирзиёев 2025-жыл «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәриялады.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇👇

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

20 Nov, 07:36


#BES_BASLAMA_OLIMPIADASÍ

⚡️Komandalar toparlarģa bólindi.

🔹Sporttıń bir neshe túri boyınsha mekeme, kárxana hàm shólkemlerde islewshi 45 jasqa shekemgi xızmetkerler arasında Qon’irat hakimi kubogi start aldi.

Sporttin’ voleybol tu’rinen hayal-qizlar arasindagʻi oyin baslandi.
Ka’rxanamiz “Ka’siplik awqami” qa’wenderligi astinda qatnasip atirgʻan saylandi komandasi rayonda jaylasqan 18- MSHB komandasi menen birgelikte oyin alip barmaqta.

Komandamizgʻa a’wmet tilep qalamiz!


Kanalgʻa qosiliw ushin to’mendegi siltemeni basin’.

https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

18 Nov, 15:52


#Брифинг

📌Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, "Uz-Kor Gas Chemical" Қоспа Кәрханасы ООҚТШБ баслығы орынбасары майор Б.Е.Утебаев қатнасындағы брифинг.

2024- жылдың 15-ноябрь сәнесинен 15-декабрь күнлери аралығында өткерилип атырған “Өрт қәўипсизлиги айлығы” илажлери өткерилмекте.
Усы кең көлемли илаж хаққында толық мағлыўмат пенен танысың.

Ҳәр қандай бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде өткерилетуғын «15-ноябрь сәнесинен 15-декабрь аралығы - өрт қәўипсизлиги айлығы» шеңбериндеги илажлеринде белсенди қатнасайық кәсиплеслер!

Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇👇

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

18 Nov, 04:17


Бүгин, 18-ноябрь – Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн

1991-жыл 18-ноябрь күни Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилген.



Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇👇

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

17 Nov, 15:38


📌 Órtten hám is gazinen záhárleniwdiń aldın alıw maqsetinde tómendegilerge ámel etiń:
🔹 qolda islengen hám nasaz ısıtıw úskenelerinen paydalanbań;
🔹 túnde ornatılgan jılıtıw sistemasın qadaǵalawsız qaldırmań;
🔹 asxanada ornatilgan tábiyiy gazde isleytuģın gaz plitaların bólmelerdi ısıtıw maqsetinde paydalanbań;
🔹 Ísıtıw pechleri hám olardıń tútinburınlarınıń saz bolıwına, olardı hár túrli buyım hám tosıqlar menen jabılmawına hám de arnawlı shólkemler tárepinen óz waqtında tazalanganına ayrıqsha itibar beriń;
🔹 gaz úskenelerin jalģaw tártip qaģıydalarına ámel etiń hám olarga rezina shlanglar arqalı jalģanıwına jol qoymaytuģın bolıń;
🔹 bólmeni ısıtıw maqsetinde hesh qashan ashiq ottan paydalanbań.

Ózińiz hám jaqınlarıńızdıń qáwipsizligi jáne salamatlıǵın saqlaw óz qolıńızda!

Qaraqalpaqstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar basqarması,
"Uz-Kor Gas Chemical" JShJ profilaktika hám qadaǵalaw boyınsha inspektorı
leytenant A.E.Xudaynazarov
.


https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

16 Nov, 19:52


Бүгин, 17-ноябрь —Халықаралық студентлер күни!

Байрамыңыз қутлы болсын студентлер! Оқыўларыңызда әўмет яр болсын! Келешекте алдыға қойған мақсетлериңиздиң ҳәммесине ерисип, әрман еткен кәсибиңиздиң маманы болғайсыз!


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇👇

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

16 Nov, 15:32


Ózbekstan Respublikası Ministrler Kabinetiniń tiyisli Protokolına tiykar, 2024-jıldıń 15 noyabr kúninen - 15 dekabr kúnine shekem mámleketimizde "ÓRT QÁWIPSIZLIGI AYLÍǴÍ" ótkeriledi.

Húrmetli puqaralar, órt qáwipsizligi qaǵıydalarına qatań túrde ámel etiń! "Órt qáwipsizligi aylıǵı"na belsene qatnasıń!

Qaraqalpaqstan Respublikası Ayrıqsha jaǵdaylar basqarması "Uz-Kor Gas Chemical" JShJda ÓQTSHB.


https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

16 Nov, 02:18


Ийс гәзи реңсиз ҳәм дәмсиз болып инсан өзиниң зәҳәрленип атырғанын дәрҳал сезбейди.

Ҳүрметли пуқаралар, егер сизлерде бас аўырыў яки кеўил айныўы сыяқлы жағдайлар ушырасып атырған
болса, дәрҳал ☎️103 Тез жәрдем, ☎️104 Гәз хызмети ҳәм☎️ 1050 Айрықша жағдайлар хызметине хабар
бериң. Себеби бундай жағдайда сизди ийис гәзи зәҳәрлеп атырған болыўы мүмкин.

❗️Ҳеш қашан өз басымшалық пенен емлениў ушын дәрилерди қабыл етпең. Ийис гәзи реңсиз ҳәм дәмсиз болып, инсан өзиниң зәҳәрленип атырғанын дәрҳал сезбейди.
Тамақтың қышыўы, бас аўырыўы, кеўилдиң айныўы сыяқлы белгилер инсанның ийс гәзинен зәҳәрленип атырғанлығының белгиси.
Бәрше газ қәўипсизлик қағыйдаларына әмел қылың.

Өз өмириңизге қәўипли болған ислерден сақланың.


Каналға қосылыў ушын
төмендеги силтемени басың
👇👇

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

15 Nov, 13:47


Дағаза.

Ҳүрметли Үстирт газ химия комплекси жумысшылары ҳәм посёлка турғынлары.

16.11.2024 сәнесинде саат 09:00 ден 15:30 аралықларында ишимлик суў линияларында оңлаў ҳәм тазалаў жумыслары алып барылыўы мүнәсебети менен ишимлик суў уақтынша өшириледи.

ҮГХК Администрация бөлими.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇👇

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

14 Nov, 14:59


#Tashrif

Koreya Respublikasi elchisi “Uz-Kor Gas Chemical” zavodiga tashrif buyurdi

Tashrif davomida elchi boshchiligidagi delegatsiya zavodning ishlab chiqarish jarayonlari, mahsulot sifati, marketing tizimi bilan tanishtirildi.

👉Batafsil
_____

Посол Республики Корея посетил завод «Uz-Kor Gas Chemical»

В ходе визита делегация во главе с послом была ознакомлена с производственными процессами, качеством продукции, системой маркетинга завода.

👉Подробно

👇Bizni kuzating:

web-sayt | instagram | telegram | youtube | facebook

ҮГХК. UGCC

11 Nov, 18:53


📋 11-ноябрь - “Кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсибети менен “Арал” профессионал футбол клубымыз бас қәўендери болған “Uz-Kor Gas Chemical” кәрханасының қәнийгелери арасында спорттың футбол түри бойынша жарыс болып өтти. Қызғын гүреслерге бай өткен жарыс жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды. Турнирдиң жеңимпаз командасы менен “Арал” клубы өз-ара жолдаслық ойынын өткериў бойынша келисимге еристи.

✍️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📲 Telegram  I  Instagram  I  YouTube

ҮГХК. UGCC

11 Nov, 08:14


11-ноябрь — Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни

Кәсиплик аўқамы — пуқаралардың мийнет искерлиги ямаса оқыў түри бойынша улыўма мәплерди байланыстырып туратуғын ықтыярлы жәмиетлик бирлеспе есапланады.

Кәсиплик аўқамларының мақсети — өз ағзаларының мийнет ҳәм басқа да социаллық-экономикалық ҳуқықлары менен мәплерин жақлаў ҳәм қорғаўдан ибарат.


Бүгинги кәсип байрамы қутлы болсын ҳүрметли тараў ийелери!

Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

11 Nov, 08:04


#Órt_qáwisizligi_aylıǵı

⚡️Ózbekstan Respublikası Ministrler Kabinetiniń tiyisli Protokolına tiykar, 2024-jıldıń 15 noyabr kúninen - 15 dekabr kúnine shekem mámleketimizde "ÓRT QÁWIPSIZLIGI AYLÍǴÍ" ótkeriledi.

⚡️Húrmetli puqaralar, órt qáwipsizligi qaǵıydalarına qatań túrde ámel etiń! "Órt qáwipsizligi aylıǵı"na belsene qatnasıń!

«Uz-Kor Gas Chemical» JSHJ obyektlerinde O’QTSHB inspektori aģa leytenant I.Yuldoshev.

ҮГХК. UGCC

10 Nov, 12:04


11-ноябрь “Өзбекстан Кәсиплик аўқамы” күни мүнәсибети менен “Uz-Kor Gas Chemical” Қоспа Кәрханасы кәсиплер аўқамы кәрхана жумысшылары ушын байрам-концерт бағдарламасын шөлкемлестирди.
Бундай үлкен пайызлы илажды ҮГХК Директоры Т.Т. Жураев, Кәсиплер аўқамы баслығы Ж.Абдурахмонов, Ислеп шығарыўды басқарыў бөлими баслығы У. Остановлар ашып берди ҳәм байрам менен қызғын қутлықлады.
Илаж даўамында барлық жумысшылар, аўқам тәрепинен өткерилген турнирлер, спорт ойынлары жеңимпазларыда хошаметленди.
Атап айтқанда, “Волейбол-2024” ҳаял-қызлар ортасында өткерилген турнир жеңимпазлары, “Футбол-2024” еркеклер ортасында болып өткен турнир жеңимпазлары қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды ҳәм жәнеде “Кәсиплик аўқамы” белсендилери усы күн мүнәсибети менен “Мақтаў жарлықлары” менен хошаметленди.

Байрам көтериңки кейпиятта өткерилди.

Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

08 Nov, 19:25


#мақтаныш
#спорт

Халқымызда өз кәсибиниң маманы, өз исиниң устасы деген мақтанышлы түсдеги атамалар бар. Ҳәр түрли кәсип ийелери, ҳәр тараўдағы қәнийгеликлерге ийе болған кәсиплеслеримиз арасынан биз сөз етпекши болған, өз исинен тысқары жәнеде бир әжайып хобби ямаса қызығыўшылығы артынан үлкен жетискенликке ерискен Серик Джумамуратов ҳаққында болады.
Серик кәрханамыз спорт тараўында өзиниң салмақлы үлесин қосқан кәсиплеслеримизден есапланады. Футболдың Көплеген ашық ҳәм барлық лигаларында қатнасып өз командасы менен сыйлы орынларды ийелеп келди.
Ҳәр жылы республика аймағында өткерилетуғын Қарақалпақстан футбол ассоциациясының соннан “Кушмаг 2” лигасында “Қоңыратшы” командасын алып шықты ҳәмде республикада сыйлы II- орынды ийеледи.
Команданың мийнетлерин есапқа алып кәсиплесимиз Серик Джумамуратов Қарақалпақстан Республикасында “Ең жақсы тренер” номинациясын қолға киритти.

Серик Джумамуратовты қутлықлаймыз!


https://youtu.be/fxYnXi6b-P0?si=YSz6x7AvwYtGnyXv


Каналға қосылыў

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

28 Oct, 11:59


#донор
#АБК

Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлигиниң, Гематология ҳәм трансфузиология хызметлерин раўажландырыў ҳәмде онкогематологик ҳәм емлениўи қыйын болған кеселликлерге ушырағанларды жәнеде қоллап-қуўатлаў мақсетинде Донорлық акциясын жәриялады.

"Қан тапсырың, Қан плазмасын бериң ҳәм бул исти тез-тез әмелге асырың" ураны астында өткерилип атырған акцияда кәсиплеслеримиз белсенди қатнасты.


Каналға қосылыў ушын төмендеги силтемени басың 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

26 Oct, 08:20


Конкурс на вакантные должности

АО «Узбекнефтегаз» объявляет открытый конкурс для квалифицированных специалистов на три должности в Департаменте добычи углеводородов.

👉 https://teletype.in/@uzbekneftegaz_ung_lot/7TNPGCD52vv




о канале 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

25 Oct, 09:18


Конкурс на вакантные должности

АО «Узбекнефтегаз» объявляет открытый конкурс на замещение двух вакантных позиций в Департаменте геологии.

👉 https://teletype.in/@uzbekneftegaz_ung_ru/Bdihey4-UJP


о канале 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

24 Oct, 16:31


#Seminar

Yoshlar yetakchilari va koordinatorlari uchun seminar-trening bo‘lib o‘tdi


Tadbirda o‘zaro munosabatlarni mustahkamlash, jamoa bo‘lib muammolarni hal qilishga qaratilgan topshiriqlarni hamkorlikda bajarish orqali yosh kadrlar orasida hamjihatlik fazilatini shakllantirishga alohida e’tibor qaratishdi.

👉Batafsil

👇Bizni kuzating:

web-sayt | instagram | telegram | youtube | facebook

ҮГХК. UGCC

23 Oct, 10:48


Управление по чрезвычайным ситуациям Республики Каракалпакстан сообщает, что в связи с установившимися на территории Республики Каракалпакстан пониженными ночными температурами воздуха, жители Республики Каракалпакстан начали обогревать свои дома, в том числе при помощи электронагревательных приборов и печей. При этом, многие не задумываются о соблюдении элементарных требований пожарной безопасности во время их эксплуатации.

Основными причинами пожаров в осенне-зимний пожароопасный период является использование неисправных отопительных приборов, в том числе изготовленных самодельно, перегрузка электрических сетей, нарушение требований пожарной безопасности при эксплуатации печей и печного оборудования, оставление малолетних детей одних без присмотра взрослых, а также высокая степень изношенности жилого фонда.
Для того чтобы избежать или снизить количество пожаров, необходимо соблюдать элементарные правила пожарной безопасности, а именно:
- не оставляйте электронагревательные приборы без присмотра и в близи горючих материалов;
- не перегружайте электросети большим количеством включенных электроприборов;
- уходя из дома, выключайте электрические приборы и освещение;
- не применяйте нестандартные (самодельные) электронагревательные приборы, не используйте некалиброванные плавкие вставки или другие самодельные аппараты защиты от перегрузки и короткого замыкания.
Детей необходимо обучать мерам пожарной безопасности, как действовать при обнаружении пожара. Следует помнить, что у детей отсутствует та защитная психологическая реакция на пожарную опасность, которая свойственна взрослым людям. Большинство детей не имеет понятия, что надо делать во время пожара. Они прячутся под кроватями, в шкафах, других комнатах, чего категорически нельзя делать. Детям свойственно активное познание окружающего мира, стремление подражать взрослым. Привыкнув видеть огонь в руках взрослых полезным, добрым, притягательно красивым, ребенок проникается интересом к нему. Но одно дело, когда ребенок сидит с отцом у костра в лесу или в домашней обстановке у растопленной печки, и совсем другое, когда он сам берется за спички в отсутствие взрослых.
Регулярно проводите чистку дымоходов и печей!
Не допускайте перекаливания печи!
Разместите на полу перед печью предтопочный лист без прогаров и повреждений!
Держите возле печи ведро с водой, чтобы в случае пожара быстро погасить пламя!
Не топите печи бензином, керосином и другими горючими жидкостями!
Не оставляйте без присмотра топящиеся печи, а также не допускайте надзор за ними малолетним детям!
Уважаемые жители Республики Каракалпакстан, пожары причиняют людям большое несчастье! Чтобы избежать этого, необходимо строго соблюдать правила пожарной безопасности!
Если пожар все же произошел, не теряйтесь! Немедленно вызовите службу спасения по телефону «101», «1050», а сами до прибытия профессиональной помощи начинайте спасание людей и тушение возгорания всем доступными средствами.


Управление по чрезвычайным ситуациям Республики Каракалпакстан,
Отдел Организации Обеспечение Пожарной Безопасности
СП ООО «Uz-Kor Gas Chemical» инспектор по профилактики и надзора
капитан Таджитдинов Р.

ҮГХК. UGCC

22 Oct, 13:54


“Ўзбекнефтгаз” АЖ тәрепинен Басланғыш шөлкем Жаслар жетекшилери ҳәм координаторлары ушын 19-20 октябрь күнлери “Ташкент Теңизи дем алыў орайында” кең көлемли семинар-тренинг дәстүри шөлкемлестирилди.
Семинар-тренингда барлық “Ўзбекнефтгаз” АЖ тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлер, нефтбазалардан жәми 70 тен аслам жетекши ҳәм координаторлары ҳәмде белсенди жаслары қатнасты.
Усы күнге шекемги АЖ тәрепинен белгиленген ис режелер, олардың атқарылыўы менен байланыслы жетискенликлер ҳәмде кемшиликлер жәнеде көплеген усыныслар көрип шығылды.
Илаж соңында бир қатар жаслар жетекшилери ҳәм белсенди жаслар сыйлықланды.

Каналға ағза болыў ушын төмендеги
силтемени басың
👇👇


https://t.me/ugccsm

ҮГХК. UGCC

21 Oct, 11:25


Конкурс на вакантные должности

АО «Узбекнефтегаз» объявляет открытый конкурс на должность начальника службы операционной эффективности в департамент трансформации и операционной эффективности (Газлинское управление по добыче нефти и газа, Бухарская область).

👉Подробно


о канале 👇🏻👇🏻

https://t.me/UGXK_Ustirt

ҮГХК. UGCC

19 Oct, 14:03


#Tanlov

Vakant lavozimlar uchun tanlov

“O‘zbekneftgaz” AJ Axborot-kommunikatsiya texnologiyalari departamentiga 1-toifali mutaxassis – FrontEnd dasturchi (ReactJS va Flutter Multi-Platform) lavozimga ochiq tanlov e’lon qiladi.

👉Batafsil

👇Bizni kuzating:

web-sayt | instagram | telegram | youtube | facebook

ҮГХК. UGCC

16 Oct, 15:58


Húrmetli puqaralar! Kúnniń keskin suwıtıp ketiwi sebepli tómendegi órt qáwipsizligi qaǵıydalarına ámel etiwińizdi soraymız.

- Jılıtıw úskeneleriniń morıların kózden ótkerip, tazalatıń!

- Jasalma ısıtıw úskenelerinen paydalanbań!

- Jılıtıw úskenelerin qarawsız qaldırmań hám hádden tısqarı qızıp ketiwine jol qoymań!

- Jılıtıw úskeneleri, qazanxana, pech, suw qazanı morıları átirapыn 
1x1 metr aralıqta janbaytug‘ın materiallar menen bastırıń!

- Gaz úskenelerinen durıs paydalanıń hám gaz iyisin sezseniz elektr úskenelerin qospań, shırpı jaqpań, ayna-esiklerdi ashıp, bólmeni samallatıń hám 104-nomerine xabar beriń.

- Bólmelerdi qızdırıw ushın hár qıylı jasalma túrdegi gaz hám elektr úskenelerinen paydalanbań!

- Gaz úskenelerin rezinalı, nasaz shlangalar hám gaz sorıwshı nasoslardan paydalanbań!

- Elektr tok sımları montajı «elektr qurılmaları qaǵıydaları»na muwapıq halda islensin.

"Uz-Kor Gas Chemical" JSHJ obektlerinde O'QTSHB inspektori A.Kamalov
.