МАМАН АДВОКАТ @maman_advokat Channel on Telegram

МАМАН АДВОКАТ

@maman_advokat


Сорауларыныз хам пикирлериңизди 👉 @maman_advokatbot жибериң

Тел: 90 700-04-40

Каналда юридикалық мағлыуматлар, жаналықлар хамде адвокаттың жеке пикирлери жазылады.

Пуқаралар хам юридикалық шахсларға шартнама тийкарында юридикалық жардем көрсетиледи.

МАМАН АДВОКАТ (Russian)

Добро пожаловать на канал "МАМАН АДВОКАТ"! Если у вас есть вопросы или мнения, то отправьте их 👉 @maman_advokatbot

Телефон для связи: 90 700-04-40

На этом канале вы найдете юридическую информацию, новости и личные мнения адвоката.

Звонки также приветствуются, и юристы окажут вам юридическую помощь в заключении договоров и в других вопросах.

МАМАН АДВОКАТ

13 Jan, 12:33


📝 Нызамшылыққа бола, республиканың барлық аймақларында ўақтынша мийнетке жарамсызлық қағазлары (больничний лист) ҳәм басқа да медициналық мағлыўматнамалар электрон түринде бериледи.

Бунда, ўақтынша мийнетке жарамсызлық қағазлары ҳәм басқа да медициналық мағлыўматнамаларды қағаз түринде талап етиў қадаған етилген.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

13 Jan, 10:01


Курсымызда таярлықта жүрген жасларға айтарым. Сизлер ушын жүгирип атырған ата-анаңызды умытпаңлар. Олардың исенимин ақлаңлар.

https://t.me/maman_education

МАМАН АДВОКАТ

13 Jan, 09:32


🏘 Турақ жай ушын субсидия берилген пуқаралардың ипотека кредитлери ҳәм олардың процентлери ушын қаратылған мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматлары дәрамат салығына тартылмайтуғыны белгиленген.

Бул жеңиллик қарыз алыўшы ҳәм бирге қарыз алыўшылар дәраматының бир салық дәўиринде мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдарының 80 есесинен аспаған бөлегине қолланылады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

13 Jan, 08:43


💸СИЗДЕ 1 200 000 СУМ (Бир миллион еки жүз мың сум) ПУЛ ҲӘМ "TELEGRAM PREMIUM" ЖЕҢИП АЛЫЎ ИМКАНИЯТИ БАР!

❤️Қарақалпақстан ға белгили Телеграм каналлар
📨@Maman_advokat
📨@Kar24Uz
📨@Hoja_uz
📨@QaraqalpaqLivee
📨@Qaraqalpaqstan
📨@Qaraqalpaqxabar
📨@maman_education
📨@KarPressa тәрепинен супер таңлаў басланды!

😀 НЕ УТЫП АЛАСЫЗ?

💰1 200 000 сум (бир миллион еки жүз мың сум) ақшалай сыйлық ҳәм 3 айлық 1️⃣ "Telegram Premium".

😀ҚАЙТЫП ҚАТНАСЫЎ МҮМКИН?
Тек төмендеги 2 басқышты орынлаң:

1⃣ "ТАҢЛАЎДА ҚАТНАСЫЎ" түймесин басың;
2⃣ Шыққан айнадан "Добавит" (Add/Қосыў) түймесин басың.

Бул еки шәртти дурыс орынлағанлар таңлаў қатнасыўшысына айланады!

📅 ӘҲМИЙЕТЛИ МАҒЛЫЎМАТ:

22-январь күни саат 21:00 де @TANLAW2025 каналында жеңимпаз анықланады.

📨 Жеңимпазды Телеграм мессенжериниң өзи автоматикалық түрде таңлайды. Бул процесс ашық-айдын ҳәм әдил болып, 1️⃣"TELEGRAM PREMIUM"ды жеңген адамды Телеграмның өзи анықлайды.

😀 ЕҢ ТЕЗ ҚОСЫЛҒАН ҚАТНАСЫЎШЫЛАРДА ЖЕҢИЎ ИМКАНИЯТИ КӨП БОЛАДЫ!
Досларыңызға да усы таңлаўды бөлисиң, сонда жеңип шығыў имканиятыңыз артады!

Ҳәзир шәртлерди орынлаң ҳәм жеңимпаз болың!

😀 ТАҢЛАЎДА ҚАТНАСЫЎ

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 22:17


Марказий тизимга уланган хонадонларда иссиқ сув 50-75°С бўлиши керак.

💧Иссиқ сув ҳароратининг йўл қўйиладиган четга чиқиши:

▪️тунги вақтда (соат 0:00 дан соат 05:00 гача)5°Сдан ортиқ эмас;

▪️кундузги вақтда (соат 05:00 дан соат 00:00 гача) 3°Сдан ортиқ эмас.

📌 Агар иссиқ сув юқоридаги талабларга жавоб бермаса, у учун тўловлар ичимлик суви тарифида тўланади.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 22:05


Music time

Барса чемпион. Мүбәрек болсын. Мен сизлер менен биргемен. 🤝💪

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 18:17


Реалшылар шоршып кетпесин. Әстен оятыңлар ярым саат қалды. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 17:53


Педагогларға 70 процентлик үстеме бериў жолға қойылмақта

Аттестацияда 86 ҳәм оннан жоқары балл топлаған муғаллимлерге 70 процентлик үстеме берилиўи мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў басланған. Система халықаралық аккредитациядан өткеннен кейин усы талаплар тийкарында 86 баллық нәтийже менен маманлық сертификатын алған педагоглар 70 процентлик үстеме алыўы мүмкин болады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 17:51


"Ҳүрметли донорлар" жәмийетлик транспорттан бийпул пайдаланыўы күтилмекте

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен ислеп шығылып, Нызамшылық палатасына киргизилген жаңа нызам жойбарына бола, "Өзбекстан Республикасының ҳүрметли доноры" көкирек белгиси менен сыйлықланған шахсларға берилетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлық муғдарын арттырыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, олар қалалық жәмийетлик транспортынан (жөнелисли ҳәм жөнелиссиз таксилерден тысқары) бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе болады. Буннан тысқары, оларға санаторий-курортларда емлениў ушын жолламаларды гезексиз алыў имканияты жаратылады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 17:48


Хабарыңыз бар өзин-өзи бәнт етип такси менен шуғылланатынларға уақтынша рухсатнама берилетин еди. Енди бундай рухсатнама уақтынша емес көп уақытқа берилетин болыпты. Басыңлар.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 11:43


💸СИЗДЕ 1 200 000 СУМ (Бир миллион еки жүз мың сум) ПУЛ ҲӘМ "TELEGRAM PREMIUM" ЖЕҢИП АЛЫЎ ИМКАНИЯТИ БАР!

❤️Қарақалпақстан ға белгили Телеграм каналлар
📨@Maman_advokat
📨@Kar24Uz
📨@Hoja_uz
📨@QaraqalpaqLivee
📨@Qaraqalpaqstan
📨@Qaraqalpaqxabar
📨@maman_education
📨@KarPressa тәрепинен супер таңлаў басланды!

😀 НЕ УТЫП АЛАСЫЗ?

💰1 200 000 сум (бир миллион еки жүз мың сум) ақшалай сыйлық ҳәм 3 айлық 1️⃣ "Telegram Premium".

😀ҚАЙТЫП ҚАТНАСЫЎ МҮМКИН?
Тек төмендеги 2 басқышты орынлаң:

1⃣ "ТАҢЛАЎДА ҚАТНАСЫЎ" түймесин басың;
2⃣ Шыққан айнадан "Добавит" (Add/Қосыў) түймесин басың.

Бул еки шәртти дурыс орынлағанлар таңлаў қатнасыўшысына айланады!

📅 ӘҲМИЙЕТЛИ МАҒЛЫЎМАТ:

24-январь күни саат 21:00 де @TANLAW2025 каналында жеңимпаз анықланады.

📨 Жеңимпазды Телеграм мессенжериниң өзи автоматикалық түрде таңлайды. Бул процесс ашық-айдын ҳәм әдил болып, 1️⃣"TELEGRAM PREMIUM"ды жеңген адамды Телеграмның өзи анықлайды.

😀 ЕҢ ТЕЗ ҚОСЫЛҒАН ҚАТНАСЫЎШИЛАРДА ЖЕҢИЎ ИМКАНИЯТИ КӨП БОЛАДЫ!
Досларыңызға да усы таңлаўды бөлисиң, сонда жеңип шығыў имканиятыңыз артады!

Ҳәзир шәртлерди орынлаң ҳәм жеңимпаз болың!

😀 ТАҢЛАЎДА ҚАТНАСЫЎ

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 09:28


Өзбекстанда автомобильлердиң баҳасы кескин артып кетиўи мүмкин

Жаңа шеклеў Өзбекстанға автомобиль алып кириўди 4 есеге шекем қысқартыўы мүмкин.

Өзбекстанға өз мүтәжликлери ушын автомобиль алып кирип атырған ҳәр бир шахс транспорт қуралын 16 мәжбүрий көрсеткиш бойынша сынақтан өткериўи ҳәм сертификат алыўы шәрт.

Бул 2024-жылдың 1-ноябринен баслап енгизилген мәжбүрий талап.
Рәсмийлер бул экологиялық ҳәм технологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған илаж екенин мәлим етти.

Р.s. Қара дискли кобалтлар ушады десе. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 08:10


Бул тәртиптиң ишине азық ауқат өнимлери кирмейди. Магазинлердеги жазылған қағыйдалар хеш қандай юридик күшке ийе емес. Нызам күшке ийе.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 08:06


Айырым ислеп шығарыўшы ҳәм сатыўшылар ушын «карбон жыйымы» енгизиледи - жойбар

Жәмийетшиликке додалаў ушын жәрияланған 2025-жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарлама жойбарының 45-мақсети «2030-жылға шекем экономика көлемин 2 есеге арттырыў ҳәм «дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер» қатарына кириў» болып, онда соның ишинде айырым өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў ушын компенсация төлем (жыйым)ин енгизиў режелестирилмекте.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 08:04


Өзбекстанда турақ жай қурылысы процесинде автомобиль туратуғын орынларды шөлкемлестириў мәжбүрий болыўы мүмкин

2025-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама жойбарында мәмлекетимизде турақ жай имаратлары қурылысына жаңа талапларды ислеп шығыў режелестирилмекте. Бул жәмийетшиликке додалаў ушын жәрияланған.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 06:39


Енди шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы да рәсмий тән алынады

2025-жыл 1-июлдан баслап, шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа ҳүжжетлердиң my.gov.uz платформасындағы электрон формалары рәсмий түрде тән алынады.

Р.s. Бул дегени, банклер, нотариуслар, аеропортлар, вокзаллар ҳәм басқа да шөлкемлерде қағаз көширмелерди усыныў шәрт болмайды. Керек болса сайтқа кирип алабер дейсең. ☝️😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 06:38


Және бир категория бюджет хызметкерлериниң мийнет ҳақылары 15 процентке арттырылды

Президенттиң 2024-жыл 27-декабрдеги ПП-230-санлы пәрманы менен өткен жылы 12-августта қабыл етилген мийнет ис ҳақы, пенсия ҳәм напақаларды арттырыўға байланыслы 108-санлы пәрманға тийисли өзгерис ҳәм қосымша киргизилди.

Оған бола, ендигиден былай бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын медицина хызметкерлери менен бирге фармацевтика хызметкерлериниң айлық мийнет ис ҳақылары да 15 процентке арттырылады.

Еслетип өтемиз, Пәрман менен 2024-жыл 1-октябрден баслап бюджет шөлкемлеринде ислейтуғын медицина хызметкерлери, сондай-ақ, мектепке шекемги, улыўма билимлендириў, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлери, "Мүриўбет" интернат үйлери, "Меҳрибанлық" ҳәм Балалар үйлери, балалар санаторияларында ислейтуғын педагог хызметкерлерди

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Jan, 06:34


Айырым оқытыўшыларға 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде ана тили ҳәм әдебият және тарийх пәнлери бойынша Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң миллий баҳалаў системасында алынған тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған ҳәм усы пәнлерден сабақ беретуғын педагог кадрларға олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50% муғдарында ҳәп айлық қосымша үстеме төленеди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

28 Dec, 09:28


Енди хәр күни “Маман адвокат” инстаграм каналында тиккелей эфирде бийпул сорауларға жууап бериледи. Сәубетлесемиз ашықтан ашық.

Оның ушын усы 👉 https://www.instagram.com/reel/DD_uPfZNtbe/?igsh=MWlwdm4wMTRoeXhhOA== силтеме арқалы инстаграм каналымызға ағза болып қойыңлар. 70 мыңнан өттик. Жаңа жылға шекем 100 мыңға жетип алайық. Қәне кеттик қоллап қууатлап жибериңлер мениң садық оқырманларым.

Билемен телеграм каналымызды көбинше жасы үлкен аға-апаларымыз гүзететеди. Олар инстаграмды түсинбеуи мүмкин. Оларға айтпақшы болғаным тезирек инстаграм программасын жүклеп, каналға подписаться қылып алыңлар. Мен сизлер менен биргемен.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Dec, 21:24


❗️Бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлардың балаларының бақша төлемин мәмлекет қаплайды

🔰 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы ПП-87-санлы Пәрманына муўапық, бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлардың:

👉 мектеп жасына шекемги балалары ушын мәмлекетлик бақшаға төленетуғын төлемнен азат етиледи;

👉 3 жасқа шекемги болған балалары ушын мәмлекетлик емес (меншик) бақшаға төленетуғын төлемин қаплаў ушын мәмлекеттен субсидия ажыратылады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Dec, 21:08


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Dec, 14:03


⚡️2025-жыл 1-январьдан Жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларында тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи

📄 Нызамшылыққа көре,

жынаят ислери бойынша судқа шекемги жүргизиў дәўиринде процессуаллық қарарларға санкция бериў мәселеси жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда айрықша судьялар - тергеў судьялары тәрепинен көрип шығылыўы тәртиби енгизиледи;

жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларында тергеў судьясы лаўазымы киргизиледи;

жынаят ислери бойынша судқа шекемги жүргизиў дәўиринде тергеў судьясы тәрепинен процессуаллық қарарларға берилген санкциялар тек ғана апелляция инстанциясында Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық судлары, Өзбекстан Республикасы әскерий суды тәрепинен жеке тәртипте қайта көрип шығылыўы тәртиби белгиленди;

тергеў судьяларына ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги бериледи;

тергеў судьялары тәрепинен көрип шығылатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди жоқары инстанцияларда қайта көрип шығыўдың әмелдеги тәртиби сақлап қалынады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Dec, 07:02


Бүгин мени бағып адам қылған атам 96 жасында қайтыс болды. Төрт күн алдын хабар алыуға барған едим. Ол қолымнан сүйип “саған исенемен балам” деп, мениң менен жан айбатта орнынан турып сууретке түскен еди. Жайлары жәннетте болсын.

Бизлер ақылымызға сыймайтын уллы бир режениң қатнасыушыларымыз. Уақты келсе хәммемизде режедеги уазыйпаларды атқарып кетемиз.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Dec, 21:56


Муғаллимлер қандай жағдайларда кәсиплик сертификат алыўдан азат етиледи?

🔰 МК қарарына тийкар мектепке биринши мәрте муғаллим болып жумысқа кирген пуқаралар жумысқа кирген күннен баслап 1 жылдың ишинде кәсиплик сертификатын алмаса, жумыстан босатылады.

❗️Бирақ, усы қарар менен айырым жағдайларда муғаллимлер кәсиплик сертификат алыў бойынша тестте қатнасыўдан ўақытша азат етилген.

☝️Демек, биринши мәрте мектепке муғаллим болып кирген пуқара төмендеги жағдайларда белгили бир мүддетке кәсиплик сертификат алыў бойынша тестте қатнасыўдан ўақытша азат етиледи:

✔️ҳәмиледар ҳаяллар, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысындағы ҳаяллар усы дем алыс дәўиринде ҳәм жумысқа шыққаннан баслап бир жыл даўамында;

✔️педагог ретинде жумыс ислеп атырған үш жасқа шекемги балалары бар ҳаяллар балалары 3 жасқа толғанша;

✔️узақ (3 айдан артық) мүддет емленип атырған педагоглар, олар емленип атырған дәўирде ҳәм жумысқа шыққаннан кейин 6 ай даўамында;

✔️үш ай ҳәм оннан артық мүддетке республика ҳәм сырт еллерге оқыўға, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў курсына жиберилген педагоглар, олар жумысқа шыққаннан кейин 6 ай даўамында.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Dec, 21:00


Пәнт беретин инсанларға сүйениуге болмайды. Бир мәрте пәнт берген яки қыянет қылғанлар әлбетте оны қайталайды. Буған еки жүз пайыз кепилмен. Соның ушын ондай инсанларды хеш қашан кеширалмайман.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Dec, 19:33


⚡️Кейинги жылдан баслап жоқары оқыў орынларында бағшалардың тийисли жоқары мағлыуматқа ийе болмаған педагоглары ушын арнаўлы квоталар ажыратылады

Президенттиң пәрманына көре, 2025-2026-оқыў жылынан баслап:

мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша дуал билимлендириў формасы енгизиледи;

мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына мектепке шекемги билимлендириў бағдарының сыртқы хәм кешки формасына ҳәр жылы кеминде 200 мақсетли квота ажыратылады.

☝️Бул квотаға бағшаларда кеминде 5 жыллық жумыс стажына ийе болған педагог кадрлар еселенген төлемли-контракт тийкарында қабылланады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Dec, 19:07


Ишки ислер хызметкери сизиң жеке телефоныңызды тексериўи мүмкин бе?

Конституцияның 31-статьясы 2-бөлиминде "Ҳәр ким хабар жазысбалары, телефон арқалы сөйлесиўлери, почта, электрон ҳәм басқа да хабарлары сыр сақлаў ҳуқықына ийе. Бул ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың қарарына тийкарланып жол қойылады" делинген.

Тексериў өткериўге рухсатты тек ғана суд береди. Бирақ хәзир тилекке қарсы қай-қайссысы болсада тексериуди қатырып тур. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Dec, 14:10


⚡️Пуқаралардың сырт елде ислеген дәўирлери оның пенсияға шығыўы ушын стажына қосып есапланатуғын болды

Министрлер Кабинетиниң 29.10.2024-жылдағы 714-санлы қарарына тийкар, мийнет шәртнамасы тийкарында сырт елде ислеген пуқаралар тәрепинен өткен дәўир ушын социаллық салықты (қамсызландырыў төлеми, бирден бир социаллық төлем) төмендеги муғдарларда төленгенде, жумыс стажына косып есапланады:

✔️ 2019-жыл 1-январға шекемги болған дәўир ушын ҳәр бир айға базалық есаплаў муғдарында (375 мың сумнан);

✔️ 2019-жыл 1-январдан 2019-жыл 31-декабрге шекемги аралықтаға дәўир ушын бир жылға БЕМның 4,5 есеси муғдарында (1687500 сум);

✔️ 2020-жыл 1-январдан кейинги дәўир ушын ҳәр жылға базалық есаплаў муғдарында (375 мың сумнан).

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Dec, 11:36


Естен шығармаң. Пул жаман генерал, жақсы әскер. 🤫☝️

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Dec, 11:20


Быйыл қар жаумайды дейди. Енди Европаға кетпесем болмайды. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Dec, 08:18


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Dec, 07:58


Түркия Президентиниң баласы әкесине Израилды басып алыуды усыныс етти. Пүткил халық буны қоллап қууатлап көшеге шықты.

Илжилде Аллахтаала “Израил халқына егер тууры жолға қайтпасаңыз, еркеклериңиз өлтирилип, хаялларыңыз қул қылып сатылады” делинген. ☝️🤫

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Dec, 15:18


Бир күни

Бир күни бала уақтымда көшеден ойнап үйге келдим. Жаңа жылға еки күн қалған еди. Ийттий аш едим. Хәмме жер қап-қараңғы я газ я тоқ жоқ. Үйдегилердиң хәммеси печки бар бир ханаға тығылған. Жеуге хеш нәрсе жоқ екенлигин билсемде үмитленип асханаға кирдим. Бирақ хеш нәрсе табалмадым. Мейли деп уйықлауға киргенимде әкем бар далаға отын шауып кел деди.

Сыртқа шығып отын шауып атырғанымда анам жүр бир жерге барып келемиз деди. Анам еки үш үйге кирип нан сорады бермеди. Кейин алыслау қоңысымыз азмаз шигин аралас салы берди. Анам соны алып қыстың сууығында келиге урып, оны самалда сууырып ун қылды хәм қатты нан писирип берди. Соны көк шайға батырып жегенмен. Бул мен ушын жаңа жылдағы анамның ең жақсы сауғасы болды. Анам мени қандай қыйын күнлер болсада хеш қашан аш қалдырмаған.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Dec, 13:38


Қазақстандағы таудың етегинде жайласқан ең тыныш жерлердиң бири. Тек әтирапқа қарап, кофе ишип дем алып отыра бересең.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Dec, 08:44


Азанда ерте турыу керек. Болмаса хеш нәрсеге үлгералмайсаң. Себеби уақыт бурынғыға қараған тез өтип бармақта.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Dec, 07:45


Қазақстанда қулаған самолётта қайтыс болғанлардың жақынларына шын кеуилден кеуил билдиремиз. Қайырлы қаза болсын.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Dec, 08:05


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Dec, 05:03


1-январдан баслап ҳәр бир жасы үлкен жолаўшы менен жүрген бала темир жол транспортынан бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе болады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Dec, 04:23


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Dec, 03:35


Негизи нызамда пуқараны сүўретке түсириўге рухсат керек. Бирақ төмендени жағдайларда рухсат талап етилмейди.

1. Сүўрет мәмлекет ҳәм жәмийет мәпи ушын пайдаланылғанда;

2. Пуқара ғалабалық орыларда, аўқатланыў, саўда ҳәм басқа да хызмет көрсетиў орынларында, концерт, байрам сейиллеринде ҳәм көшелерде сүўретке түсирилген ҳәм оннан мақсет сол жердеги процессти сәўлелендириў болғанда;

3. Және де сол сүўреттен пайдаланыўдан мақсет пуқараның ҳуқықларын қорғаў болғанда.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Dec, 09:07


❗️Ҳәкимликлерге жерге байланыслы ўәкилликлер бериледи

2025-жыл 1-марттан аймағы 10 мың м.кв.тан, баҳаланған баҳасы 5 мың БЕМнaн артпаған ҳәм 6 ай сатылмаған ҳәкимлик көшпес мүлклерин белгили шәртлерде тиккелей исбилерменлерге ижараға бериў мүмкин болады.

Бул мүлклерди келешекте сатыў да мүмкин болады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Dec, 08:29


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Dec, 08:20


Көпшилик судья болмайсызба деп сорайды. Мәмлекетлик хызметке қайтыуғада усыныслар болып тур. Бирақ хеш қашан қайтпасам керек. Себеби енди мәмлекеттиң емес, халықтың перзентимен. Олардың тағдири мениң тағдирим. Бул күнлерге жетиудиң өзи болмады. Хәммесин таслап кеталмайман.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Dec, 08:00


Трамп братан Канада, Мексика хәм Панамаға басқыншылықты баслап, бүлдирейин деп тур. Оларды Америкаға қосып, уллы империя қуражақ. Және ол бир жыныслыларды жоқ етиуге уәде берди. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Dec, 07:23


❗️2025-жыл 1-январдан баслап ҳәкимлер айырым мәкемелердиң баслықларын тайынлаў ҳәм босатыў мәселесин өзи шешеди

Президенттиң Пәрманына тийкар район (қала) ҳәкимлерине 2025-жыл 1-январдан баслап жоқарыда көрсетилген министрликлер ҳәм мәкемелердиң район (қала) бөлимлери баслықларын олардың аймақлық басқармалары (Қарақалпақстандағы министрликлери) менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў, сондай-ақ тийисли жуўапкерли шахсларды хошаметлеў яки интизамлық жуўапкершиликке тартыў илажларын көриў ўәкилликлери бериледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Dec, 06:36


#2025_жыл_1_январьдан

🔰Нызамшылыққа бола:

▪️мәмлекетлик емес улыўма билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын банклердиң өз қаржылары есабынан базар пайыз ставкаларында миллий валютада ажыратылатуғын, баҳасы 20 млрд сўмға шекем болған кредитлер бойынша, пайыз ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артатуғын, бирақ оның 1,5 есесинен көп болмаған бөлегин қаплаўда компенсация бериледи;

▪️МЕУБШ ушын имаратларды жаңадан қурған ямаса өзиниң имарат ҳәм объектлеринде улыўма билимлендириў жумысын жолға қойған исбилерменлик субъектлерине 5 жыл мүддетке усы билимлендириў шөлкемлериниң жумысы менен байланыслы болған коммуналлық қәрежетлериниң 50 пайызы қаплап бериледи;

▪️2030-жыл 1-январьға шекем юридикалық шахсларға мәмлекетлик емес улыўма билимлендириў шөлкемлериниң имаратларын өз қаржылары есабынан қурыў менен байланыслы қәрежетлерди пайда салығын есаплаўда 2 жыл даўамында тең үлеслерде шегирип таслаў ҳуқықы бериледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Dec, 05:05


Хәкимиятта ислеушилердиң айлықлары көтериледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Dec, 05:00


#2025_жыл_1_январьдан

📝 Нызамшылыққа бола, жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў, қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыў ҳәм объектлерди пайдаланыўға қабыл етиўде қурылыс қәрежетлерин баҳалаўдың "көлем" усылына (көлем ҳәм сапа көрсеткишлерин есапқа алыўға) өтиледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Dec, 04:35


#2025_жыл_1_январьдан

🖥 Нызамшылыққа бола, басқышпа-басқыш барлық медицина мәкемелери тәрепинен орайластырылмаған тәртипте сатып алынатуғын фармацевтика өнимлерин сатып алыў орайласқан тәртипке өткериледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Dec, 13:34


“Жаңа жылда жаңа тренд”

Бундай телефон алыу ушын қай жерде оқыу керек? Роликти Илон Маскға жиберип қойыңлар тесланың таза телефонына реклама ислеуге әуере болып жүрмесин. 😁🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Dec, 12:55


Оқыу курсымызда жаңа жылды күтип алыуға таярлық кетип атыр.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Dec, 12:24


Жумыссыз пуқараларға қандай кепилликлер белгиленген?

Жумыссыз пуқараларға мәмлекет төмендегилерди кепиллейди:

👉 жумыссызлық напақасы төленеди;

👉 мийнет уйымларының жолламасына муўапық бийпул, грант есабынан кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўы;

👉 мийнет уйымларының (биржа труда) жолламасы бойынша кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ямаса маманлығын арттырыў дәўиринде стипендия төленеди ҳәм усы дәўир улыўма мийнет стажына қосылады;

👉 пул төленетуғын жәмийетлик жумысларға жалланыў имканияты;

👉 исбилерменлик пенен шуғылланыўға ҳәм жеке қыйтақ жер участкаларын жүргизиўге қаратылған субсидиялар ажыратылады;

👉 мийнет уйымларының усынысы менен жумыс ислеў ушын басқа жерге көшип өтиўи менен байланыслы қәрежетлери қаплап бериледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Dec, 09:34


❗️Айырым исбилерменлер ушын салық жеңилликлери: төленген салықтың бир бөлегин қайтарып алын!

️ Жаңа Ҳүкимет қарарына (745-санлы, 07.11.2024) тийкарланып, улыўма аўқатланыў, туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлери менен шуғылланыўшы исбилерменлер ушын төленген қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў имканияты жаратылды.

Кимлер ушын?
▪️2024-жыл 1-октябрден: туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлери — төленген салықтың 20%и қайтарылады.

▪️2025-жыл 1-январдан: улыўма аўқатланыў хызметлери — айлық айланыстың нақ пульсыз бөлеги: 60% ҳәм оннан жоқары болса, салықтың 40%и; 60% тен кем болса, салықтың 20%и қайтарылады.

Қандай тәртипте?
Исбилермен салық есабатын усынып бергеннен кейин, 3 ай ишинде қайтарыў ушын мүрәжат етиў мүмкин. Барлық талаплар орынланған жағдайда, салық автоматикалық түрде қайтарылады.

Қагыйдалар 2028-жыл 1-январьға шекем әмел етеди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Dec, 09:18


Жеке университетлер жаўылып кетсе, ол жерде оқып атырған студентлер оқыўын мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес ЖООларға көшире алады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Dec, 08:26


Қайырлы қаза болсын.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Dec, 07:07


Тутыныўшы сапасыз өнимди 24 саат ишинде алмастырыўға хақылы

Нызамшылыққа көре, сапасыз товар сатып алған тутыныўшы, егер кемшиликлер сатыўшы тәрепинен айтылмаған болса, өзиниң таңлаўына көре сатыўшыдан (азық-аўқат товарларына салыстырғанда тутыныўшы сатып алынғаннан кейин 24 саат даўамында бундай ҳуқыққа ийе болады) төмендегилерден бирин талап етиўге ҳақылы:

- тап сондай маркадағы (модел, артикулдағы) товарға алмастырыўды;

- өним баҳасын тийисли түрде қайта есап-китап еткен ҳалда басқа марка (модел, артикул) дағы тап усындай товарға алмастырыўды;

- өним баҳасын пропорционал түрде кемейтирилиўин;

- товардың кемшиликлерин тезлик пенен бийпул сапластырыў;

- товардың кемшиликлерин сапластырыў қәрежетлерин қаплаўын.

Бунда тутыныўшы сапасыз товар сатылғанлығы ақыбетинде өзине жеткизилген зыян толық қапланыўын талап етиўге ҳақылы болып табылады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Dec, 19:35


Мен Россия блогерлерин гүзетемен. Олар Қазақстан армиясы үстинен күлип атыр. К*қ айырады бауырлар дедим ишимнен. ☝️😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Dec, 15:24


Ағалар илтимас етип еди. Келебересизлер ал. Түри жаман концерт болайын деп тур. Мени айтсаңызлар былайыншада киритип жибереди. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Dec, 12:58


Қысқасы түсиндиңизлер. Басыңлар.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Dec, 11:21


Мениң балалықтағы ең жақсы көрген мультфильмлеримнен бири бул.

Егер үйиңде отырыспақ болса айтарсаң деп кетип баратырғаны тек ауқат жеп кетиу ушын келетин хәм хошжақпас көшениң ийти. Ол ақ көкирек тарбия көрген домашный ийт пенен дос болып қалады.

Бийшара домашный ийт оның тамағын тойдырады, үйинде хожайынларының ауқатларын урлап береди. Анаған болса тамақ тойса болды. “Жеген ауыз уялар” деген мақал оған тийисли емес. Және отырыспақ болса айтарсаң дейди. Өмирде көпғой сондай инсанлар. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Dec, 09:31


“Адамлар азап шекпекте. Адамлар өлмекте. Сизлер болса тек пул хаққында сөйлейсизлер хәм өсип баратырған экономика хаққында ертеклер айтасызлар. Буған қандай бетиңиз шыдайды”

Грета Тунберг
Шведская экологическая активистка.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Dec, 08:07


Еки батырдың сәубети.

Ахел батыр сол жерде Гекторды өлтирип жибериуиде мүмкин еди. Бирақ ол мәртлик қылды. Булардың өмири Қарақалпақтың батыры Алпамыс хәм Қалмақлар батыры Қаражанға уқсайды.

Алпамыс бир өзи сүйген ярын қайтарып алыу ушын Қалмақлар журтына басып барғанда Қаражан алыстан оның киятырғанлығын жердиң дирилдеуинен қулағын жерге қойып аттың туяғының дауысынан еситеди.

Бир күннен кейин Алмамысты көрген Қаражан оған не ушын бастырып келгенлигин сорайды. Оған қызы ушын келгенин айтады. Троя уақыясыда бир қызды деп болады. Бул нашарларды деп қанша батырлардың басы кетип, қанша қанлы урыслар болмаған дейсең. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Dec, 07:59


БАА да және 9 Өзбекстанлық Израиллықтың өлиминде гуманланып қамақға алыныпты. Бул бойынша Өзбекстан рәсмий түрде амирликге НОТА жиберген.

Булардың өлимиде касапат. Хеш бир тыныш кетпейди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Dec, 07:31


❗️Онкологиялық кеселлик пенен наўқасланған ҳаял-қызлар бийпул емленеди

🔰Президенттиң 22.11.2024-жылдағы ПҚ-402-санлы қарарына муўапық, медицинаның басланғыш буўында 30-65 жастағы ҳаял-қызлардың электрон базасы (дизими) қәлиплестириледи, оларды медициналық тексериўге шақырыў системасы жаратылады.

🔬Ҳәр жылы 30-50 жастағы ҳаяллардың жатыр мойынының рак кеселлигин скрининглеў адам папилломасы вирусын полимераза шынжырлық реакция тексериўи жолы менен анықлаў ҳәм де суйықлық цитологиялық усылы менен тексериў жолы менен әмелге асырылады.

📝30-65 жастағы ҳаяллар ҳәр 2 жылда бир мәрте медицина хызметкерлери тәрепинен дәслепки таңлап алыўдан өткериледи.

❗️️Скрининг нәтийжесинде онкологиялық кеселлик пенен наўқасланғаны анықланған наўқасларды диагностикалаў ҳәм емлеўге байланыслы қәрежетлер бюджет есабынан қаржыландырылады.

🗓2025-жыл 1-январдан баслап:

Онкоқадағалаў ханалары ушын акушер-гинеколог шыпакер ҳәмде мобил ҳәм стационар маммографлар жумысын 2 сменада шөлкемлестириў ушын рентген-лаборантлар штатлары енгизиледи;

Маммография сүўретин оқыў орайы шөлкемлестириледи;

адам папиллома вирусы диагностикасы ушын қолланылатуғын тест системаларының сапасын қадағалаў бойынша референс-лаборатория жумысы жолға қойылады;

жатыр мойны ҳәм көкирек бези раги скринингине мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тартылады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

06 Dec, 17:16


Пайтахтымызда рәсмий шырша (ёлка) ғәрезсизлик майданына қурылмақта. Американың пайтахтындада бүгин ёлка қурылыпты. Бәрибир бизлердики зор. Аууфф. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

06 Dec, 16:42


Ертең емес арғы күни 😁☝️ саат 15:00 де есте сақлау қәбилетин күшейтиу бойынша оқыу курсымызда тренинг өткериледи. Тренинг бийпул хәм бәрше қызықғанлар ушын.

Оқыу курсы бойынша қосымша мағлыуматты администраторға шығып алсаңыз болады. Тел:91.871-44-44.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

06 Dec, 15:58


Президент жаза мүддетин өтеп атырған 483 шахсқа кеширим берди

Әпиў етилген шахслардың 107 си жазаны өтеўден толық азат етиледи, 275 жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиледи, 7 белгиленген жаза жеңилирек жаза менен алмастырылады.
94 пуқараның жаза мүддети қысқартылады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

06 Dec, 14:03


❗️Балаларға зорлық көрсеткен педагоглардың айырым ҳуқықлары шеклениўи мүмкин

Социаллық қорғаў  миллий агентлиги ҳәм Олий Мажлис Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы)ниң билимлендириў шөлкемлеринде балаларға қарата зорлық жағдайларына жол қойған педагог ҳәм тәрбияшылардың ендигиден былай  балалар менен ислесиў бойынша мийнет искерлигин даўам еттириў ушын шеклеўлерди, қосымша талапларды нәзерде тутыў ҳаққындағы усыныслары мақулланып атыр.

Бул ҳаққында Президенттиң усы жыл 2-декабрьдеги ПП-201-санлы пәрманында сөз етиледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

06 Dec, 09:13


Бирге бир.

Буны мен өмиримде бир мәрте буннан бес жыл алдын қылғанман. Өзим менен болған бул сәубет төрт саат дауам еткен.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

06 Dec, 09:03


Таза жол белги тастыйықланды.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

06 Dec, 05:39


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Nov, 14:47


Бүгин және хуқық пәнинен (гос права) екинши евро группада таярлық курсымызда оқып атырған оқыушыларға, алынған билимлерин беккемлеу бойынша тест сынақлары өткерилди.

Жоқары балл менен биринши орынды ийелген және еки оқыушыға сертификат, пул сыйлығы хәм китаплар сауға етилди. Қалған группаларғада тест сынақлары және өтериледи.

Бәрше жасларды оқыу курсымызға мират етемиз. Мағлыумат ушын администраторға хабарласың. Тел:91.871-44-44.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Nov, 09:57


🔰 Қонунчиликка кўра, банк мижозлар билан тузилган шартномалар шартларини, шу жумладан кредитлар бўйича фоиз ставкаларини ва уларни белгилаш тартибини, депозитлар бўйича фоиз ставкаларини, воситачилик ҳақи миқдорини ва ушбу шартномаларнинг амал қилиш муддатларини бир тарафлама ўзгартириш ҳуқуқига эга эмас.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Nov, 08:59


Рус тилин билмеген мигрантлардың перзентлери мектепке қабылланбайды. Бул хаққында таза нызам жойбары Россия парламентине киргизилген.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Nov, 08:51


💰Белсенди нураныйларға ҳәр айда 577500 сумнан пул бериледи

Президенттиң 25.11.2024-жылдағы ПҚ-405-санлы қарарына тийкар:

✔️белсенди нураныйлар ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50% (ҳәзирги күнде 577500 сум) муғдарында хошаметленип барылады;

✔️кексе жастағы пуқараларды спортқа тартыў мақсетинде “Нураный” қоры есабынан ҳәр бир мәканға жылына 10 млн сумнан пул ажыратылады;

✔️белсенди нураныйларға кәмбағал шаңарақлар 6 ай мүддетке бириктириледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Nov, 08:10


Ески досларды умытпаңлар.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Nov, 06:00


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Nov, 05:59


Путин Қазақстанда.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

27 Nov, 05:06


Кеше оқыу курсымызда хуқық хәм инглиз тили бойынша таярлықта болған балалар арасында мафия ойыны өткерилди. Бул олардың билимин беккемлеуге жәрдем береди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Nov, 21:41


Бизлерде жумысқа кириу ушын биреулерге хабарласса, Японияда жумыстан шығыу ушын биреулерге хабарласар екен. Қысқасы Японияда жумыстан шығыуға жәрдем бериуши агентлик жумыс баслаған. Хызмет хақыда арзан емес 22 мың иен. Тезирек питириу бахасы буннанда қымбат. Хәзир бул агентликке 6 хызметкерден 1 хабарласып атырған. Демек талап күшли. Әне бизнес. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Nov, 19:51


Басқасын билмеймен. Бирақ хеш қашан Аллахтааладан үмит үзбең. Жигитлерге айтарым “Кхамр, Майсер, Ансаб хәм Азламнан” узақ болың. ☝️😬

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Nov, 19:41


Тири гезинде өз елине сыймаған Бабур шах, өли гезиндеде сыймай атырғанға уқсайды. Оның Әндижандағы үлкен естелиги алып тасланып, орнына дом қурыу бойынша уалаят хәкими қарар қабыл еткенлиги айтылмақта. Бирақ бул нызамсыз болыуы мүмкин. Себеби Президентимиздиң жақында шыққан қарарында мәдений мийрасларды асырау ушын олардың орынлары сатылыуы яки басқа нәрсеге өзгертилиуи қадан етилген.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Nov, 18:42


Тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи

📄 Президенттиң 2024-жыл 10-июньдеги ПФ-89-санлы Пәрманына бола, 2025-жыл 1-январьдан баслап, тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи.

Тергеў судьясы жынаят ислери бойынша судқа шекемги ис жүргизиў дәўиринде процессуаллық қарарларға санкция береди ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығады.

Пәрман менен, Судялар жоқары кеңеси Жоқары суд пенен биргеликте 2025-жыл 1-январьға шекем тергеў судьясы лаўазымы енгизилетуғын судлардың жоқары маманлықтағы ҳәм жуўапкер кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Nov, 14:26


Испаниядағы байлардың көшеси. Қоңсыларың менен сууда шомылып жүребересең. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Nov, 13:14


Китай Өзбекстан пуқаралары ушын визасыз режим орнатыуы мүмкин. Китайдам былғаймыз енди. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Nov, 08:51


Кеше 7 айдан берли судласып атырған бир хәкимшилик исти уттық. 7 ай я Карл. Хош неге ондай болды? Көпшиликтиң басынан өткен шығар хәкимшилик ислерде дәлиллер жетерли болмаса яки хуқық қорғау уйымлары кемшиликке жол қойса судья исти қайтарыуға хақлы. Бирақ ис қайтарылғаннан кейин хуқық қорғау уйымлары кемшиликти тууырлап яки жаңа дәлиллер жыйнап исти қайттан судқа өткериу керек. Усы жерге итибарлы болыңлар. Көбинше исти қайтарғаннан кейин органдағылар айлап материалды қушақлап отырып, хеш нәрсе қылмай тек протокол менен исти және судқа өткереди. Сол уақытта судьядан органдағылар хеш нәрсе ислемей, судтың көрсетпелерин орынламай қайтарғанлығын түсиндириңлер. Бул сизлердиң пайлаңызға жүреди. Себеби судья қурыдан қуры исти қайтармайды. Қайтардыма орынлау керек. Орынламадыма? Жаңа дәлиллер усынбадыма онда сизди судья ақлау керек. Нызам талабы сондай. Хәр қандай гуман хуқықбузардың пайдасына шешилиуи шәрт. ☝️🤫

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Nov, 15:55


Бүгин “МАМАН” деген сөз рәсмий түрде мәмлекет тәрепинен бренд сыпатында пәтентленди. Енди бул сөзди пүткил Өзбекстан аймағында бизлерден басқа хеш ким қолланалмайды.

Егер кимгедүр бизнестеги атын бренд сыпатында пәтентлеу керек болса бизге хабарлассаңыз болады. Нызамлы рәуиште жәрдем беремиз.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 19:49


Аз қалды. Тез күде сениде басып өтемен Иншаллах.

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 18:25


Бүгин хуқық пәнинен биринши группада таярлық курсымызда оқып атырған оқыушыларға алған билимлерин беккемлеу бойынша тест сынақлары өткерилди.

Жоқары балл менен биринши орынды ийелген еки оқыушыға сертификат, пул сыйлығы хәм китаплар сауға етилди. Қалған группаларға тест сынақлары алдымыздағы хәпте өтериледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 16:27


Ертең саат 15:00 ге инглиз тили бойынша мафия ойыны шөлкемлестириледи. Ойынға биздеги оқыу курсымыздағы оқыушылардан тасқары инглиз тилине қызықған қәлеген адам қатнасса болады. Бәршеңизди күтип қаламыз.

Мағлыумат ушын админ нөмери 91.871-44-44.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 15:08


❗️Скриншотлар юридик күшке ийе болды

Өзбекстанда санлы материаллар, мәселен, мессенжерлердеги скриншотлар, видеожазыўлар ҳәм жазысыўлар судта дәлил сыпатында тән алынатуғын нызам рәсмий түрде қабыл етилди.

Хайранман. Скриншотлар хам видео жазыулар онсызда дәлил қатарында қолланып келмектемиз. Кодексте барғой. Оған айрықша нызамның не кереги бар.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 13:47


Хәзирги күнде бир неше мошенниклерге алданып қалған сада инсанлардың ислерин көрип атырмыз. Көбисине жынаят ислерин қозғаттырдық.

Егер сизлергеде атыңыздан биреу кредит алажақ, есап бетиңизге кирип және бир нәрсе қылажақ, жүзиңизди экранға түсириң, бизлер жиберген файлларға кириң, бизлерге исениң марказий банкте ислеймиз деп өзлериниң гууахнамаларын жиберседе алданбаңлар.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 12:50


Тааак шамаласып қалды. Қазақстан қәуипсизликти күшейтиу бойынша пәрман қабыл етти. Неге екенлигин түсинген шығарсызлар. Себеби Украина Россия урысы қызық сызықға жетип келди. Қазақстан Россия менен дуньядағы ең үлкен шегараға ийе. Америка ядро қуралдан пайданыу бойынша хәм материклер аралық ушатын баллестик ракеталарды қоллаудағы шеклеулерди алып таслап, оны қолланыу бойынша доктрина қабыл етти. Европа еллери қәуипсизлик бойынша бирлесиуди баслады. Англия хәм Франция армияны аяқға турғызып атыр.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 12:40


⚡️2025-жыл 1-январдан баслап айырым ҳуқықбузарлықлар ушын жәрийма ҳәм жазалар бийкар етиледи

Президенттиң 14.11.2024-жылдағы ПП-184-санлы Пәрманына көре, 2025-жыл 1-январдан баслап:

✔️пуқараларға исбилерменлик пенен жеке исбилермен ретинде дизимнен өтпестен шуғылланығы ушын жәрийма салынбайды;

✔️фискал белгилерин көрсетиў тәртибин бузыў жуўапкершиликке себеп болмайды;

✔️мәжбүрий санлы маркировкаланыўы белгиленген товарларды (өнимлерди) идентификациялаў қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў тәртибин бузыў ушын жуўапкершилик бийкар етиледи;

✔️хызметкерлер санын жасырыў жуўапкершиликке себеп болмайды.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 12:35


Тилекке қарсы бул сөзлер еле өз күшин жоғалтқан жоқ. ☝️😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 11:53


⚡️Қарақалпақстан Республикасы стенди ең креатив деп табылды

"Жипек жолында туризм" Халықаралық туризм ярмаркасында бир қатар мәмлекетлер ҳәм Өзбекстанның барлық аймақларынан Қарақалпақстан стенди көргизбеде “Ең креатив стенд” номинациясы бойынша женимпаз деп табылды ҳәм электромобиль менен сыйлықланды.

Маған өзи креатив пикирлейтин инсанлар хәм креатив нәрселер унайды. Апиуайы нәрселерден шаршадым. Қутлықлаймыз. Молодец зор болыпты. Экологиямыз жардың қасында. Буған итибар бериуимиз керек.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 10:03


Бүгин бизиң еки жәрдемшим хәм стажорларым адвокатлық лицензияға тапсырып, маманлық имтиханнан жоқары балл менен өтипти. Олардың келеси жумысларында әумет тилеймен.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 09:33


Неге бир дана банан бахасы 2 млн доллар?

Бир сууретшиниң илхамы келмей сызалмағаны ушын бананды дийуалға қыстырып көргизбеге қойған. Банан аукционда 2 млн долларға сатылған. 2 млн доллар я Карл. Сумда шамалап 30 млрд болады. 🫣🤣

Оййбуу ақмақ екенау алған адам деген шығарсызлар. Яқ ондай емес. Енди оны сатып алған адам бананды мүзейге қояды. 2 млн долларлық бананды көриу хәм оның қасында сууретке түсиу ушын дунья жүзинен адамлар келеди. 2 млнды 20 млн қылып шығармағанша тынбайды.

Егер оның кафе яки рестораны болса соның ишине алып барады. Клентлер басабас болады. Және сатып алған адамды дунья таныйды. Бийпул реклама. Егер инстаграм аккаунты болса живой подписчик. Әне гәп қайда жатыр. ☝️😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 09:28


Конор братанды қамақтан алып шықтық. Тек пуқаралық тәртипте жәрима төлейтин болды. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 08:50


2025 йил 1 январдан кам таъминланган оилалардан болаларни меҳрибонлик уйлари ва болалар уйларига вақтинча қабул қилиш бекор қилинади.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 08:28


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Nov, 08:03


Маған көпшилик әсиресе жаслар қандай қылып пул табыу кереклигин сорайды. Мен оларға қолыңнан не келеди соны исле деймен. Себеби жаратқан табияттан хәр бир инсанға қайсыдүр нәрседе талант инам қылады. Буны көпшилик түсинбейақ өмирден өтип кетеди. Соны табыу керек. Питер Линч айтқанындай “Хамме алтын излеп атырған жерде сен бел сат” ☝️😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Nov, 10:56


Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы менен адвокатлар ортасында ашық сәубет басланды.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Nov, 08:00


Тәлим алмау ушын және қандай себеп керек. Бәршени курсымызда оқып билим алыуға шақырып қаламыз.

Администратор. Тел: 91.871-44-44.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Nov, 07:38


Бизлердиң оқыу курсымыздың хәм адвокатлық фирмамыздың локация мәнзили.

МАМАН АДВОКАТ

22 Nov, 06:27


Ертең оқыу курсымызда “гос права” яғный хуқық пәни бойынша таярлық курсын өтеп атырған жаслар ушын конкурс шөлкемлестириледи.

Биринши орынды алғанлар ушын сертификат, пул сыйлығы хәм лично Маман адвокаттың өзинен имза шегилген бестселлер китап сауға етиледи.

Администратор. тел: 91.871-44-44.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Nov, 04:49


Инглиз тилинен кешки таярлық курсларымызда ашылды. Егер күндиз қолыңыз босамаса кешки саат 18:00 яки 19:00 ге келсеңизде болады.

Курсқа жазылыу хәм оқыу курсы бойынша мағлыумат алыу ушын администраторға хабарласың. Тел:91.871-44-44.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Nov, 04:25


“Санаулы инсанлар ғана жасайды. Қалғанлар тек тири”

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Nov, 04:19


Айырым шахсларға темир жол транспорты ҳәм автобус ушын бийпул билетлер бериледи

Ҳүкимет қарары менен Өзгелердиң күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар реестрине киргизилген шахсларға темир жол транспортында ямаса қалалараралық автобусқа бийпул билетлер бериў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды

Оған муўапық, өзгелердиң күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың таңлаўына бола темир жол ямаса қалалараралық автобус ушын бийпул билетлерден бир жылда тек ғана бир мәрте бериледи.

Барыў ҳәм қайтыў ушын бийпул билет алыўда қәлеген транспорт түринен (темир жол ямаса автобус) пайдаланылыўы мүмкин.

Соның менен бирге, өзгелердиң ғамхорлығына мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды бақлап баратырған бир шахс та барыў ҳәм қайтыў ушын бийпул билет алыў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

22 Nov, 04:13


Палестинниң БМШ уәкили Мажед Бамя “Неге Израил халық аралық хуқықға бойсынбай атыр? Оларда не адам өлтириуге лицензиясы барма?” Деди.

Қысқасы Израил басшысы хәм қасындағы бир неше генераллар халық аралық қыдырыуға қойылды.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

21 Nov, 15:14


Франция Президенти Израилға қурал сатыуды тоқтатыу керек деп бақырған бир топар адамлардың алдына келип, Франция Израилға қурал сатпағанын айтты.

Бүгин Франция Президенти Израил мәмлекетиниң басшылары Франция аймағына жоласа оларды қамақға алыуға буйрық берди. Оның изинен басқада Европа мәмлекетлериниң сыртқы ислер министрлери усындай баянат пенен шықты.

Буларда айтылдыма ислейди. Монголияға уқсап Путинди қамақға алалмай қыйсайып турмайды. Егер келсе олар Путиндиде алады қамақға. Соның ушын ол бармайды. Биледи олар гәпте емес әмелде ислей алыуын. Соның ушында Путин гиллең өзине уқсап арқада қалған қалақ еллерге барады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

21 Nov, 15:01


Жақында лауазымынан азат етилген барлық министрлер орнында қалды. Дурыста бундай тәжрийбели хызметкерлерди қайдан табады.☝️😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

21 Nov, 14:07


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

21 Nov, 13:55


Деген еди өткен жылдағы болжауында Сумелек апа. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

21 Nov, 10:26


Спарк автомашинасы барлар әуу деп қойыңлар. Мине спарктың нешше жыллар алдын шыққан рекламасы. Қатырыпты.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

21 Nov, 09:38


"Биткоин" бахасы көтерилип бармақта. Келешекте буныда нызамластырып соған өтемизбе деймен. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

14 Nov, 06:35


⚡️Енди исбилерменлер де артықша «незаконно» ийелеген жерлерин ҳүжжетлестирип алыўы мүмкин

Өзбасымқалық пенен ийелеп алынған жер учаскаларына және оларда қурылған имаратлар хәм қурылмалардың хуқықларын тән алыу хаққында”ғы
Нызамның 5-статьясына тийкар, жасаў ушын мөлшерленбеген имарат ҳәм қурылыслар қурыў ушын жеке исбилерменлер яки юридикалық шахсларға (фирма, кәрхана ҳ.т.б.) «законно» ажыратылған жер участкасына болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетинде көрсетилген майданнан артықша ийелеген жер участкасын ҳәм де сол жерге қурылған имарат және қурылмаларды атына өткерип (ҳүжжетлестирип) алыўы мүмкин.

Мысал ушын, исбилермен өзине қарар менен берилген жерге дүкан қурып ислеп атырып сол дүканның қасындағы оған тийисли болмаған бос турған жерге де қосымша имарат қурған болса, жоқарыдағы Нызам менен мине сол қосымша «незаконно» ийелеген жерин ҳәм сол жерге қурған имаратын ҳүжжетлестирип алыў имканы берилип атыр.

☝️Бирақ, бундай артықша ийеленген жерди ҳәм оған қурылған имарат және қурылысларды ҳүжжетлестириў ушын төмендеги шәртлер белгиленген:

▫️артықша ийеленген жер исбилермен тәрепинен 2018-жыл 1-майға шекем ийеленген болыўы;
▫️артықша ийеленген жер исбилерменге ажыратылған жерге иргелес жер болыўы;
▫️артықша ийеленген жер участкасы исбилерменген ажыратылған жерди қосқанда мына жерде көрсетилген майданнан зыят болмаўы;
▫️артықша ийеленген жер алдын басқа шахсларға ажыратылмаған ҳәм аукционға қойылмаған болыўы;
▫️артықша ийеленген жер бойынша шахслардың арасында даў келип шықпаған болыўы;
▫️артықша ийеленген жер участкасы ҳәм имарат және қурылмалар бойынша жер ҳәм мал-мүлк салығынан қарыздарлық болмаўы керек.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

13 Nov, 13:55


“Әдилсизликтен шаршадым”

Бүгин бир қорғауымыздағы шахсты қамақға алыу санкциясынан қутқарып қалалмадық. Кешеги Олий судтың баслығы Б.Исламовтың айтқанлары бир тийин болды.

Дурыс адамлар қамалады, қылған исине жууап береди. Егер айбы болса. Мейли санкцияда айыплылық мәселине көрилмейди, бул дегени хәмме органнан жиберилген қамаққа алыу бойынша илтимаснамасын қанаатландырыу керек дегени емес.

Бийшараның айбы жоқта. Киттай болсада айбы болғанда мейли дер едим. Ол судта ақланады. Бирақ неге енди ол судқа шекем қамақта жатыуы керек. Мен соған түсинбеймен. Басқада бас шаралар барғо. Қашан бир судьяларымызға исенип керилип турамыз. Судьядан қатты үмит еткен едим. Мазам жоқ.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

13 Nov, 08:15


Әне банкир деген сондай болыуы керек. Ана апа не дейди звездалардың түрин соғып торт ислеймен дейме? Зор идея я? Торт писирип сататынлар ислеп көриңлер. Бирақ ана банкир жигиттиң қылғанын қылмаңлар қамалып кетиуиңиз мүмкин. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

13 Nov, 08:14


Мийнет миграциясына шығып кеткен пуқаралардың Өзбекстанда олар менен бирге жасаўшы пенсия жасына жеткен ямаса I ҳəм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына кəсиплик аўқамлары системасындағы санаторийға ҳəм профилактикалық емлениў мəкемелерине бир мәртелик бийпул жоллама бериледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Nov, 07:36


Бүгин Маман адвокаттың пайда болғанлығына, яғный шөлкемлестирилгенлигине 5 жыл толды.

5 жыллық пенен усы күнге шекем бизлер менен бирге болып, гүзетип хам қоллап қууатлап отырған ықласбентлеримизге, фирмамыздың адвокатларын, стажер жәрдемшилеримди хәм оқыу курсымыздың муғәлимлерин шын жүректен қутлықлайман.

Бул қысқа видео ролик сизлерге арналады. Ролге түсип, уқсатыуға хәрекет қылдым. Кемшилиги болса көз жумарсызлар. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

12 Nov, 07:06


Алдыңғы мусылманлардың қубласы болған, пайғамбарымыздың жети аспанға көтерилген хәм Сулейман пайғамбардың жинлерге бир түнде қурдырған мешити Эль-Акса есапланады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

11 Nov, 20:25


Жәрийма төленбеседе жәрийма майданшасынан автотранспорт қуралын алып шығыўға болады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

11 Nov, 17:36


Имам менен адвокаттың сәубети. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

11 Nov, 15:24


Бир ай ишинде ишип автомашина басқарғанлықта гуманланып, иси судқа өткерилген 15 шахсты жынаят судларында ақлауға еристик. Менимше бул Өзбекстан бойынша рекорд дәреже шығар.

Және қайталайман. Бизлер ишип автомашина басқарылыуына қарсымыз. Соның менен бирге хуқық қорғау уйымларының нызамлы ислеуин хәм адамлардың муқаддес қорғаныу хуқықын тәмийинлеу тәрептарымыз.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

11 Nov, 13:33


Өзбекстанда ЛГБТны үгит-нәсиятлаўды қадаған етиў бойынша норматив-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылмақта.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

11 Nov, 12:22


Кейинги жылдан баслап бағша директоры лаўазымына тек резервтеги менеджерлик сертификаты бар талабанлар тайынланады.

🖥 2025-жыл 1-январдан баслап Маманлықты арттырыў институтында мәмлекетлик мектепке шекемги шөлкемлер (бағшалар) директоры лаўазымына талабанларды менеджерлик оқыў курсында оқытыў ҳәм оларға арнаўлы портал арқалы менеджерлик сертификатын электрон формада бериў системасы иске түсириледи;

💰2025-жыл 1-сентябрден баслап менеджерлик сертификатына ийе болған бағша директорына усы сертификаттың әмел етиў мүддети даўамында лаўазым айлығына ҳәр айлық 30% қосымша үстеме төленеди;

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

11 Nov, 09:18


Олий суд баслығы менен адвокатлардың ушрасыуы зор болыпты. Жүда көп мәселелер ашықтан-ашық сөйлесип алынды. Бул келешекте судьяларымызғада әдил судты қорыпастан әмелге асырыуда мотивация болды десек қәтелеспеймиз.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

11 Nov, 08:19


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

11 Nov, 07:45


Мәмлекетлик хызметлерлерге усыныс.

Президенттиң 19.05.2021-жылдағы ПҚ-5117-санлы қарары
на муўапық, шет тиллеринен миллий ҳәм халықаралық сертификатқа ийе мәмлекетлик басқарыў уйымларының барлық буўынларындағы хызметкерлерине лаўазым айлығының 20% муғдарында қосымша үстеме төленеди.

Бизлер барлық мәмлекетлик басқарыу уйымларында ислеуши хызметкерлерди инглиз тилинен таярлық курсымызға мират етемиз. Уақтын сизлердиң уақтыңызға қарап қойып беремиз. Кешке таярлық курсларымызда бар. Инглиз тилин үйренип сертификат алың хәм айлығыңызды көбейтип, статусыңызды беккемлең.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

11 Nov, 05:57


Киттай дем алайын десең тынышлық жоқ. Тергеуге кеттим. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

10 Nov, 19:41


“Жақсы судья адвокатты еситеди”

Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығы Б.Исламов.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

10 Nov, 17:37


“Тергеушилер адамларға қойған тийкарсыз хәм нызамсыз айыплары бойынша жууап бериуи керек. Себеби қаншадан-қанша инсанлар ақланып, қаншасының надурыс қойған статьялары алып тасланып атыр. Өзлериде биледи қәте қылып атырғанлығын. Неге енди олардың изин судлар тазалауы керек? Бирақ бул еле тоқтамай атыр” деди Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығы адвокатлар менен ушрасқанда.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

10 Nov, 16:18


Бүгинги “Fасе to face” ушрасыуы жақсы өтти. Хәммеге рахмет. Бәршеңизди хуқық хәм инглиз тили бойынша таярлық курсымызда күтип қаламыз.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

10 Nov, 09:13


Хәзир фирмамыз адвокатларының ис жүритиуинде 100 ден зыят дело бар. Буның саны күннен-күнге көбейип бармақта. Алдын бундай нагрузкада бир өзим ислегенмен. Бирақ еплегенмен.

Менде “бөл хәм басқар” деген принцип бар. Буны үйренген адам көп санлы исти бир өзи ислеуге үлгереди. Жумысларды бөлип-бөлип, анық реже менен хәм қайссысы әхмийетли, кешиктирип болмайтуғын ислер екенлигинен келип шығып орынласаңыз нагрузка болмайды.

Айрым ислер өз-өзинен питип кетеди. Яғный бул уақыт мәселеси. Буны алдыннан сезип, оған энергия сарыпламау керек. Хәмме затты улыумастырып, қорқып, патур-путыр, шала-пала қылмау керек. Егер ауыр жеңилине бөлип шықсаң нагрузка жоқ екенлигин билесең.

Және уақтында уйықлау керек. Себеби көпшиликтиң уақты уйқыға емес тамақ жеуге кетеди. Буны өзгертиу керек. Уйқы дурыс болмаса хеш нәрсени реже менен ислей алмайсыз. Және шаршап ден саулықтан айрыласыз. Еслеу қәбилетиңизде түсип кетеди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

10 Nov, 08:43


Барсаның жасалма офсайт қылдырыу жолы менен утқан қарсылас командалары. Бул тактиканы өмирдеде қоллап үйрениу керек. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

10 Nov, 08:41


⚡️Россияға сырт елден барып ҳүжжетсиз ислеп жүргенлер ушын жазалар аўырластырылды

❗️Путин қол қойған Нызамға тийкар енди:

сырт ел пуқаралары Россияға нызамға қайшы түрде кирсе ямаса болса, мәмлекеттен транзит ретинде пайдаланса 5 жылға шекем еркинен айырылады;

жынаят егер нызамға қайшы түрде миграция қылған шахс тәрепинен исленсе бул аўырластырыўшы жағдай деп есапланады. Яғный, Россияға нызамлы жол менен барып ислеп жүрген адамға қарағанда жазасы аўырлаў болады.

нызамға қайшы миграцияны шөлкемлестиргенлердиң пуллары ҳәм мал-мүлки мәмлекетке өтеди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

10 Nov, 07:51


Олий суд раиси Бахтиёр Исломов адвокатлар ҳамжамияти билан учрашувда тергов изоляторлари тўлиб кетганини алоҳида таъкидлаган.

Бундай ҳолат 2001 йилдаям бўлгани, ўшанда Президент девонида ишлаганини, идораларо комиссия тузилганини айтиб берди.

Қамоқ эҳтиёт чорасини қўллашда судьялар қатъиятсизликка йўл қўяётганини айтиб, тахминан 97 фоиз прокурор илтимосномалари судьялар томонидан қаноатлантирилаётганини танқид қилди.

Бир ярим ойдан кейин тергов судьялари ишини бошлаши, уларда бунақа ҳолат бўлмаслиги кераклиги, судьялар бундай илтимосномаларнинг “нотариуси” бўлиб қолмаслиги зарурлигини айтди.

Олий суд раиси фикрича, тергов изоляторларида маҳбуслар тўлганига ечим янги тергов ҳисбхоналарини қуришмас, муқобил эҳтиёт чораларини қўллаш бўлиши керак.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

09 Nov, 19:00


Адвокатлар менен ушрасқан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы, аймақта судьяларға жетерли дәрежеде штат берилгенлигин, бирақ олардың көпшилигиниң сауат дәрежеси төменлигин хәм лауазымлы шахслардан қорқып жумыс ислеп атырғанлығын тән алған.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

09 Nov, 13:00


Оқыу курсымыздың муғалимлери оқыушылардан бурын келеди. Ертеңги ушрасыуға кешигип қалмаңлар. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

09 Nov, 10:39


“Хәмме нәрседе екинши имканият бериледи. Бирақ исенимде емес”

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

09 Nov, 09:57


Әке өз баласын алалмай атыр.

Қызық. Неше жыллық тәжрийбемде бундай жағдайға биринши мәрте дус келиуим. Судлардың айтыуынша әкениң айбы органда ислегенлиги. Енди не органда ислегенлер балалы болмау керекпе? Нызам қайда нызам? Судьяларда сәл ойланыу керек. Өзиниң балларын “сен органда ислейсең, балаңа қарай алмайсаң” деп биреу алып кетсе не қыласаң? Нызамға әмел қылыңлар.

Түсинер едим әкесинде кемшилик болғанда яки әкелик хуқықын айрылғанда. Қандай заманда жасап атырмыз. Ертең биреу келип сениң жумыстан қолың босамайды балаңды өзим тарбиялайман деп алып кетеберсе. Қысқасы мен шокового состоянияне түсип қалдым.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

09 Nov, 08:45


Ирландия деген мәмлекеттиң алдында үлкен шешилмей турған бюджет пулларын қай жерге сарыплаймыз, кимге беремиз деген машқала пайда болыпты. Айтыуларына қарағанда мәмлекетте жумыссызлық 4 пайызды қурайды. Хызметкерлердиң айлығы жүда жоқары. Камбағаллық хәм коррупция жоқтың қасында. Енди хүкимет бюджетте жыйналып қалған пулларды келешекте тууылатын балалардың есап бетине өткериуди мөлжеллемекте. Қызық жағдай. Елимизде усындай қыйын машқаланы сабырсызлық пенен күтип қаламан. 🫣😭

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

09 Nov, 08:05


Кишигирим болжау. Бизлердиң оқыу курсымыздағы таярлықға қатнап атырған жаслардың 100 пайызы кейинги жыл оқыуға кирейин деп тур. ☝️😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

09 Nov, 07:52


Жаслар дәптерине киргизилгенлердиң айырымларына 1 500 000 сўмлық жәрдем пулы берилиўи мүмкин

Ҳүкиметтиң 07.06.2022-жылдағы 312-санлы қарарына екинши қосымша келтирилген нызам тийкарында,

"Жаслар дәптери"не киргизилген материаллық жағдайы аўыр жасларға бир мәртелик материаллық жәрдем ҳәр бир индивидуал жағдайда арза бериўшиниң турмыслық жағдайының қурамалылығын, оның социаллық қорғаўға мүтәж екенлигин есапқа алған ҳалда базалық есаплаў муғдарының 4 есеси (1 500 000) муғдарына шекем төлеп бериледи.

Материаллық жәрдем шахсқа бир календарь жыл даўамында бир мәрте бериледи.

️Шахсқа бир мәртелик материаллық жәрдем берилиўи оны "Жаслар дәптери"нен шығарыўға тийкар болмайды.

️ https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 19:32


Жасларға мәслахатим хәзир сизлерде имканият бар. Егер алдыңда хеш қандай мақсет болмаса, не қыларыңды билмей жүрген болсаң онда инглиз тилин үйренип қоябер. Сонда жолыңды табыу аңсатырақ болады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 15:49


Мен хәр дайым шет елден қайтқанымда депрессияға түсип қаламан. Дипломы бар психологлар болса буның себебин айтып жибериңлер. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 12:46


“Fасе to face”

10 ноябрь қала күни саат 15:00 де “face to face” яғный жүзбе-жүз деген форматта семинар өткеремен. Буған хуқықтан, адвокатлық кәсипке хәм инглиз тилинен таярлық курсын өтемекши болып жүрген бәрше жасларды шақырып қаламан. Ашықтан ашық сәубетлесемиз. Семинар сорау жууап формасында, хәмме ушын ашық, еркин түрде өткериледи. Семинарға Маман адвокатлық фирмамыздың адвокатлары, профессор оқытыушылар қатнасады. Келиң сәубетлесемиз. Барлық сорауларға жууап беремиз.

Мәнзил: Нөкис қаласы АсакаБанк қасы. Тел:90.700-04-40.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 12:19


❗️"ОПЕР" КИМ?

1) топшириқ турига қараб йўқдан бор қиладиган СЕҲРГАР;

2) жиноят очилмаса, жиноятчини нольдан ясайдиган ИХТИРОЧИ;

3) жиноятлар кўпайиб кетса жиноятни камайтирадиган "СУПЕРМЕН";

4) қидирувдагилар қаердалигини олдиндан башорат қиладиган КОҲИН;

5) тергов ва суддан яшириниб юрганларни мажбурий келтирадиган СОҚЧИ;

6) Эри йўқ бева аёлларга ЙЎЛБОШЧИ;

7) соқолларини олмасдан юрадиган "МУЛЛА";

8) аслида яндекс таксичидан ҳам кам пул топадиган "БОЙВАЧЧА";

9) формани фақатгина расмга тушиш учун киядиган "ИЖАРАЧИ";

10) ЖК ва ЖПКни ҳалигача тушунмайдиган "ИККИЧИ";

11) уйқу нималигини чиндан ҳам унутган ҳақиқий "ЛУНАТИК";

12) ўзи бургадек бўлсада, қамаласан деб девни духини олган "ВОР В ЗАКОНЕ";

13) раҳбари сўраб қолса, тунги клубда ўтирганда ҳам ишда эканлигини исботловчи "АКТЁР";

14) аксарият ҳолларда ҳақиқий ҳолатни билмаса ҳам "бизда маълумотлар бор" жумласини кўп ишлатувчи "АЙЁР".

Адвокат Ш.Мирзабеков.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 11:39


Қайсы мәўсимлик жумыслар толық бир жыл мийнет стажына өтеди?

Пахта тазалаў  кәрханаларында пахта тазалаў менен байланыслы төмендеги жумысларда  толық бир мәўсим ислеў  пенсия тайынлаў ушын бир жыл мийнет стажына өтеди:
пахтаны кептириў;
пахтаны тазалаў;
пахтаны жүклеў, түсириў;
пахтаны пневмотранспортқа артыў;
кептириў-тазалаў цехын жыйнастырыў ҳәм ысытыў, ислеп шығарыў шығындыларын шығарып таслаў.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 09:49


⚡️Кейинги жылдан баслап жоқары оқыў орынларында бағшалардың тийисли жоқары мағлыуматқа ийе болмаған педагоглары ушын арнаўлы квоталар ажыратылады

Президенттиң Пәрманына бола, 2025-2026-оқыў жылынан баслап:

мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша дуал билимлендириў формасы енгизиледи;

мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына мектепке шекемги билимлендириў бағдарының сыртқы хәм кешки формасына ҳәр жылы кеминде 200 мақсетли квота ажыратылады.

☝️Бул квотаға бағшаларда кеминде 5 жыллық жумыс стажына ийе болған педагог кадрлар еселенген төлемли-контракт тийкарында қабылланады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 08:57


Хиндистанға бармақшы едим. Пикиримнен қайттым. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 08:26


Учасковыйларымыздың күнлик жумысы 6 секудлық кадрда. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 07:54


Ташкент қаласы Шайхантахур районы мажбурий орынлау бюросы 200 млрд сумнан зыят 200 исти нызамсыз хәм тийкарсыз өндириу имканияты жоқ деп жаууып таслағанлығы анықланған. 🫣😭

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 06:10


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 06:05


⚡️Контракт пулын төлеўде кимлерге жәрдем бериледи?

Төмендегилерге билимлендириў мәкемесиндеги оқыўы ушын контракт пулын төлеўде жеңилликлер берилген:

👉 Өзбекстандағы ЖООларында оқып атырған «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ямаса олардың оқып атырған 2 ҳәм оннан артық перзентлериниң бирине;

👉 колледж, техникум ҳәм мәмлекетлик, меншик, Өзбекстандағы сырт ел жоқары оқыў орынларының бакалавры күндизги, сыртқы ҳәм кешки формасында, магистратураның күндизги бағдарында оқып атырған «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳәм де «Темир дәптер»ге киргизилген пуқаралардың перзентлерине.

💰Контракттың қанша бөлеги төлеп бериледи?

▫️«Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар ушын контракт суммасының 50% шекем, бирақ БЕМның 50 есесинен (18,7 млн сумнан) көп болмаған муғдарында;

▫️«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлер БЕМның 15 есесинен (5,6 млн сумнан) көп болмаған муғдарында.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 05:47


Ендигиден былай мектеплерде қуралдан пайдаланыу сабақлары өткериледи. Бул сабақты өтетин оқытыўшысының штатлары Қорғаныў министрлигине өткериледи. Яғный бундай лаўазымға Қураллы Күшлер резервиндеги әскерлер тайынланады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

08 Nov, 05:24


Бугундан бошлаб ўзбошимчалик билан эгаллаб олинган ер майдонларига қурилган кўчмас мулк обектларини аниқлаш бўйича хатлов бошланади.

Фуқаролар kadastr.uz сайтига кириб ўзининг ҳудудида хатлов ишлари қачон амалга оширилишини билиб олишлари мумкин.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Nov, 16:07


“Үшинши хәкимияттың күши”

Ганди “Басында хәмме үстиңнен күледи, масхаралайды, кейин қарсы шығады. Ақырында сен утып шығасаң” дейди.


Трамп Президентликтен кеткеннен кейин таза хүкимет оған 4 жыл ишинде 34 жынаят иси қозғаттырды. Оның 2 жынаят иси еле тергеуде. 1 мәрте судланды. 2 мәрте импичмент хәм 6 мәрте банкрот қылды. Бирақ ақырында хәммесин жеңип және Президент болды.

Әне еркек деген. Буның барлығына қалай еристи деп ойлайсызлар? Судлар әдил болғаны ушын. Егер Трамп Россияда яки Орта азиядағы айрым дикторлар елинде жасаған қашшан 1 жынаят иси менен өмирбақый қамалып кетер еди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Nov, 12:42


Микроменеджмент не екенлигин баслықларыңызға айып қойыңлар. Үлкенлеу нәрсе менен шуғыллансын. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Nov, 09:12


Арасында өмирде сондай жеркенишли инсанларды ушратып қаламан. Оларды көрсем әкемниң “сабырлы, кеширимли, бауыры кең және хәммеге ашық бол” деген насиятларына шыдап туралмайман.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Nov, 09:06


Устазым айтар еди “Хәр бир инсан қәлби үлкен бир түби жоқ терең дәрья. Бул қараңғы түбсизликтиң астында күшли бир айдарха жатыр. Сен оны турғызалмасаң күшли болалмайсаң” деп.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

07 Nov, 08:48


Енди пропанның баҳасы 20% тен артық қымбатламайды.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

02 Nov, 11:46


Ертең семинарға хуқық хәм инглиз тилиниң таярлық курсы бойынша өткерилетин семинарға профессор муғалимлер қатнасады. Бундай семинар хеш жерде жоқ. Имканияттан пайдаланып қалыңлар.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

02 Nov, 09:14


Ертең 3 ноябрь күни саат 15:00 ге және гезектеги семинар өткериледи. Семинарда ериншекликтен қутылыу, еслеп қалыу қәбилетин күшейтиу хәм сабақларды өзлестириу бойынша илимий жақтан тастыйықланған методлар үйретиледи. Семинарға қатнасыу бийпул. Қәлеген қызықған адамлар келиуи мүмкин. Бәршеңизди күтип қаламыз.

Мәнзил: Нөкис қаласы АсакаБанк қасында. Тел:90.700-04-40

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

02 Nov, 09:01


Нөкисте 10 ноябрь күни жүгириу бойынша биринши орынға 92 млн сомлық марафон өткериледи. Бәршени марафонға қатнасыуды сорап қаламан. Өзимде қатнассамба екенай. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

02 Nov, 08:34


Абайлы болыңлар.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

02 Nov, 05:12


Бизлер өткенде бир шет елде жүрип Жамес Лонг исмли сыйқыршының театрына кирген едик. Картаны қараңлар қалай ойнатып тур.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

01 Nov, 20:13


Еркекти қуртатын комфорт. Хаялды қуртатын дискомфорт. Яғный жигитти тоқшылық, хаялды жоқшылық бузады. Соның ушын жигитлерге айтарым өзлериңизге қыйыншылық создавать етип жүриңлер. Дым хәзликке берилип, арқайын болып кетпеңлер. Қыйнаң өзлериңизди. Аямаң.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

01 Nov, 19:30


☑️ Нызамшылыққа көре, майыплығы болған шахслар санатория-курортта бийпул саламатластырыў, соның менен бирге дəри өнимлери, майыплығы болған шахсларға ғамхорлық қылыў ушын арналған медициналық буйымлар ҳəм майыплығы болған балалар ушын арнаўлы пайдалы азық-аўқат өнимлери менен тəмийинлениў ҳуқықына ийе.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

01 Nov, 19:10


“Бизнеске тийкарланған дослық, дослықға тийкарланған бизнестен абзал”

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

01 Nov, 18:45


Бир айбым тезликти жақсы көргеним. Трассаға шығып жасын тезлигинде ушып баратырғаныңдағы азмаз зауқ, айрым инсанлардың путкил өмиринде алалмаған қууанышты береди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

01 Nov, 18:27


Жигитлерге усы “Акула: Начало” фильмин көриуди мәслахат беремен. Реал өмирден алынған.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

01 Nov, 17:04


Өмирде абсолют хақыйқат жоқ. Хақыйқат тек өлшемде ғана бар. Көп нәрсе салыстырмалы. Соған қарап хәрекет қыла бериңлер.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

01 Nov, 14:48


Негизи усы фильмдеги жаман қыз орнында ойнаған апа Золушкадан көре жақсы. Себеби хақыйқатты айтты. Атаңа нәлет қар бабаның сақалынан тартып, оның жоқ нәрсе екенлигин көрсетти. Бирақ бизге Золушка зор, Золушка хақ деп үйретилди. Көрдиңизбе бизлерди бала уақтымыздан монипуляция қылып, өтирик нәрсеге исендирип келмекте. Хақыйқатты айтқанлар хеш кимге жақпайды. Олар көбинше адасқанлар қатарына киритиледи. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

01 Nov, 09:44


Оқыу курсымыздың жайласқан жери. Мәнзили.

Умытпаң оқыу курсымыз хәм адвокатлық фирмамыз бир жерде жайласқан. Буның өзине жараса байланысы бар. Бизлердиң оқыу курсында оқып атырғанлар адвокатлық фирмамызда практика өтейди, үйренеди. Хуқық пәни бойынша таярлық курсын өтеп атырғанларға муғәлимлерден тысқары адвокатларда лекцияға кирип, әмелиятта нызамлардың қолланыуы бойынша семинарлар өтеди хәм таярлықтағыларды судларға алып барып көрсетеди. Яғный теория менен практика бирлеседи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

01 Nov, 07:35


#Әмел_етиң

🔰 Нызамшылыққа көре, техникалық регламентлерге жуўап бермейтуғын ҳəм көплеген зәҳәрли элементлер шығыўына алып келетуғын жанылғы-майлаў материалларын реализация етиў лаўазымлы шахсларға БЕМның 5 есесинен 7 есесине шекем (1 млн 875 мың сўмнан 2 млн 625 мың сўмға шекем) муғдарда жəрийма салыўға себеп болады.

🛢Соның менен бирге, жанылғы-майлаў материаллары менен, қолда саўда етиў ямаса қалаларда белгиленбеген орынларда қолда саўда етиў ушын да жуўапкершилик белгиленген.

‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

31 Oct, 17:46


Қарақалпақта депутат болғанлардың дизимин көрдим. Қысқасы көшеде суурети илингенлердиң хәммеси депутат болыпты. Әне рекламаның күши. Соның ушын айтады рекламасыз нәрсе қараңғыда қызға көз қысыу менен барабар деп. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Oct, 12:37


Ертең 27 октябр күни саат 14:30да оқыу курсымызда “фаундейшн” семинары болады.

Ол жерде таярлық курсын өтеп атырғанлардың еслеу қәбилетин қалай күшейтиу хәм ериншекликтен қутылыу бойынша илимий жақтан тастыйықланған методларды усы тарауда оқып билим алған қәнийгелер түсиндиреди.

Семинарға қатнасыу бийпул. Буған қәлеген қызыққан адам қатнасыуы мүмкин. Барлығы сизлер ушын. Бул шет тиллерин хәм басқада таярлық курсларын өтеп атырғанлар ушын жүда ас қатады. Негизи бундай семинарлар қымбат турады. Мен сизлер ушын бийпул қылдым. Имканияттан пайданып қалыңлар.

Мәнзил: Нөкис қаласы, АсакаБанк қасындағы домның екинши этажы. АРГОС мәкемесиниң үсти.
Тел:90.700-04-40.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Oct, 11:39


“Шала хәмледар болыу мүмкин емес. Мурныңызды тықтыңызба арқаға жол жоқ”

Карл Маркс.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Oct, 11:27


Қоңырат районы аймағындағы халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нѳкис-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километрли цемент-бетон қапламалы бөлеги пайдаланыўға тапсырылды.

Жақында хызмет сапары менен Қазақстан Республикасы Атырау қаласына барыуым керек еди. Жақсы болды. Президентимизге рахмет.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Oct, 09:48


Хусусий секторда ишловчи аёлларга давлат томонидан тўланадиган “декрет пули”.

2022 йил 1 сентябрдан бошлаб барча юридик шахсларда (бюджет ташкилотларидан ташқари) охирги 6 ой давомида узлуксиз иш стажига эга бўлган аёлларга нафақа тайинлаш санасида белгиланган минимал истеъмол харажатлари миқдоридан келиб чиққан ҳолда Молия вазирлиги ҳузуридаги Ижтимоий суғурта жамғармаси маблағлари ҳисобидан ҳомиладорлик ва туғиш нафақаси тўланади;
юридик шахсларнинг ушбу ходималар олдидаги мажбуриятлари Жамғарма маблағлари ҳисобидан тўланган ҳомиладорлик ва туғиш нафақаси ҳажмида камайтирилади. (07.03.2022 й. ПФ-87-сон, 2-б.)

2024 йил 1 майдан бошлаб минимал истеъмол харажатлари 648 минг сўм этиб белгиланган.

20.09.2022 йилдаги 515-сон ВМҚга асосан ҳомиладорлик ва туғиш нафақаси минимал истеъмол харажатларининг (МИХ) 4 баравари миқдорида Ижтимоий суғурта жамғармаси маблағлари ҳисобидан тўланади. МИХнинг 4 баравари – 2 592 000 сўм;

Корхона "декрет"га чиқаётган ходимасига ҳомиладорлик ва туғиш нафақасини ҳисоблаб чиқаради. Агар унинг суммаси:

МИХнинг 4 бараваридан ортиқ бўлса – корхона ходимага фарқни ўз ҳисобидан тўлайди;
МИХнинг 4 бараварига тенг ёки ундан кам бўлса – корхона нафақа тўламайди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Oct, 09:35


Бүгин тынышлық күни себеби ертең сайлау. Нызам бойынша сайлаудан бир күн алдын пропаганда жумысларын алып барыу қадаған етиледи. Бирақ азан менен бул тынышлық бир топар адамлардың ауыр қурал жырақта бир автомашинаға қарай хүжим қылғаны хаққындағы хабарлар бузды. Ташкент қаласында алдын Президент администрациясында ислеген К.Алламжановтың жанына қаст етилгени айтылмақта.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Oct, 06:11


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Oct, 06:05


Маған қар жауама, жауынба, сууықпа, ыссыма, түнбе, азанба, биреу мени жаман көреме, жақсы көреме, тап бир өзим қалып қойсамда баслаған исимнен қайтпайман. Хәрекет қылаберемен. Әтирапқа қарамайман. Себеби дауамлылық ең тууры шешим екенлигине исенемен.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Oct, 05:58


Kam ta’minlangan oilalarga gaz va elektr energiyasi xarajatlarini yengillashtirish maqsadida kompensatsiyalar joriy etildi. Bu yil 1,4 million muhtoj oilaga, jumladan, bolalar nafaqasi va moddiy yordam oluvchi oilalarga ham 270 ming soʻm miqdorida bir martalik kompensatsiya toʻlanadi.

Ushbu mablagʻlar isitish mavsumida (noyabr-fevral) kommunal toʻlovlarni qoplashga yordam berishi aytilyapti. Kompensatsiya avtomatik tarzda toʻlanadi — ariza yoki boshqa hujjatlar talab qilinmaydi.

Agar oilangizda gaz va elektr energiyasi iste’moli ijtimoiy me’yordan oshsa, boshqa qoʻshimcha kompensatsiyalar ham olishingiz mumkin. Murojaat uchun “Inson” ijtimoiy xizmatlar markazining 1140 raqamiga qoʻngʻiroq qilishingiz mumkin.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

26 Oct, 05:31


Сау адамның басындағы алтын тажды, ауырыу адам ғана көре алады. Бәршеңизге ден саулық тилеймен. Аман болыңлар. Күниңиз қайырлы өтсин. Мен бүгин азмаз дем аламан.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Oct, 20:24


Камбағал оилаларга фоизсиз ссуда (қарз) ажратилади

Президентнинг “Камбағалликдан фаровонлик сари” дастурини амалга ошириш бўйича биринчи навбатдаги чора-тадбирлар тўғрисида”ги қарори қабул қилинди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Oct, 19:58


Түни менен сёмкада болдым. Бир көрсетиуге мийманға шақырған еди. Көрип өзлериңиз баха берерсизлер. Актуал тема көтерилди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Oct, 18:56


Буннан 10 жыллар алдын прокурор уақтымда жоғалып кеткен бир адамды ишки ислерде розыскте ислеуши бир хызметкер менен излеген едим.

Базарлар, үйлер хәм қәбирлер. Көрмеген жеримиз қалмады. Убийствоның ийси келип тур. Гуман қылып турған адамымда бар. Бирақ оған дәлил жоқ.

Қысқасы гумандарды таудырып, үйиңе алып бар дедим. Изинен машында кетип баратырмыз, мәнзилден дерек жоқ. Орайдан шетлеп, соқпақ жоллар арқалы путалар арасына кирип кеттик. Қасымдағы шеригиме “жоллар маған жақпай атыр, шетке апарып гүм қылажақ емеспе” дедим.

Ол не қыламыз деди. Пистолетиң барма дедим. Яқ деди. Неге алып шықпадың машынды тоқтатып гүм қылса не қыласаң деген бойым алдымдағы гумандар машынды бирден тоқтатты.

Жүрек кетти дүкилдеп, қасымдағы розысктың жигитине “жүгир оны машыннан түсирме, маған бир зат болса басың кетеди” дедим. Бийшара хеш нәрсеге қарамай жан айбатта жүгирип барып гумандарды қолға алды. Кейин Убийствоны аштық.

Бүгинги байрам мүнәсабети менен оны излеген едим. Пенсияға шығып кетипти.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Oct, 10:56


Үйди оңлаў ушын 120 миллион сум төмен процентли кредит берилетуғын болды

"Мәҳәлле жетилиги"ниң усынысы тийкарында кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шахсларға ипотека кредитин ажыратыў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды.

Алдын берилиу тәртиби болмағаны ушын берилмей турған еди. Бул хаққында алдын хабар берген едик.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

25 Oct, 08:47


Оқыу курсымызда хуқық пәнинен юридика илимлериниң кандидаты, профессор Б.Дауменов устазымызда сабақ бериуди баслады.

https://t.me/maman_education

МАМАН АДВОКАТ

25 Oct, 06:53


Дуньяда ең соңғы хәм ақыллы көп функционаллы Ғ16 самолётлары шығып атырған бир уақытта бизлердики дөнгелеги қара таза кобальт шығарып атыр. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 16:41


⚠️🐠Белгиленбеген орында балық аўлағанлар 250 миллион сумға шекем жәриймаға тартылады ямаса 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасы қолланылыўы мүмкин

Сенатта мақулланған нызамға бола, енди нызамсыз балық аўлаў ушын жаза шаралары күшейтирилмекте.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 16:35


Өзбекстанда нызам үстинлини бес есе кемейген. 142 мәмлекеттен 82 орынды ийелепти. Нызамларға әмел етейик.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 16:33


💰 Майыплығы болған шахслардың дәраматларының бир бөлеги салықтан азат етиледи

📑 Нызамшылыққа бола, балалықтан майыплығы болған шахслар, соның менен бирге I ҳəм II топар майыплығы болған шахслар мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси муғдарындағы дəраматларының бир бөлеги салық салыўдан азат етиледи.

👉 Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медициналық-социаллық эксперт комиссиясының мəлимлемеси тийкарында бериледи.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 16:07


Қысқасы жақында сайлау. Бийпаруа болмаңлар. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 11:59


Түркия Президенти Ердуған Брикс жыйналысын таслап кетиуге мәжбүр болды. Буның себеби Түркиядағы террор хәм Израилдың Түркияға хүжимге өтиу хаққынлағы баянаты.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 05:52


Ауыр болсада тән алыу керек бул хақыйқат. 🫣🤣

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 05:37


Россияда долларды сындырамыз деген қанша аулад өтип кетти. Бул жансыз кәлбас ағаны хеш ким жеңалмаса керек.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 04:57


Өзбекстанда адамлардың кредит қарыздарлығы жәми 38 млрд долларды қурайды екен. Бул мәмлекеттиң сыртқы қарызы менен тең деген гәп. Қорқынышлы статистика.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 03:53


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 03:49


Қарды сағынғанлар барма? Өткен қыста бул видеоны өзим алған едим. Қалай унадыма? Быйыл қар жауармекен.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 03:10


📌 Қысқы "перевод" ҳаққында әҳмийетли мағлыўматлар

Қысқы "перевод" ушын арзалар 20-декабрьден 20-январьға шекем қабыл етиледи. Бирақ, ҳәмме студент ҳүжжет тапсырмайды. Тек 2 себеп бар:

1. Студент шаңарақ қурған болса ҳәм өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы ЖООға оқыўды көшириў.

2. Мәмлекетлик уйымлар хызметкерлери жумыс орны өзгергенде, оның өмирлик жолдасы ямаса ер жетпеген перзентиниң оқыўын көшириў, (тийисли министрликтиң усынысы менен).

📄 Оқыўды көшириў ушын төмендеги ҳүжжетлер керек:

▪️Арза
▪️Рейтинг дәптершеси ямаса транскрипт нусқасы
▪️Паспорт нусқасы
▪️Тийкарлаўшы ҳүжжетлер

❗️Диққат! Сырт елден оқыўды көшириў ушын қысқы арзалар қабыл етилмейди. Сырт елдегилер тек ғана жазда арза
бериўи мүмкин.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

24 Oct, 03:09


⚡️Жақсы оқыған студентлерге процентсиз тәлим кредити бериледи

Жоқары оқыў орны, колледж ҳәм техникум студентлериниң өзлестириў көрсеткиши кеминде 80 процент болса, оларға кейинги оқыў жылы ушын процентсиз тәлим кредити ажратылады.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Oct, 19:52


80 мың доллар дурыс сарыпланады деп үмит етемиз. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Oct, 15:27


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Oct, 14:24


Скоро премьера. 🫣😁

Бүгин оқыу курсымыз бойынша видео ролик иследик. Бир еки күннен шықса көрип, баха бересизлер.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Oct, 12:39


Атақлы Американский рэпер Эминемниң қызы балалы болыу алдында. Ол әкесине буны усындай өзгеше жол менен билдирди. Ақлықлар оң болсын Эминем таға.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Oct, 09:38


❗️Айрим тоифадаги тадбиркорларга нисбатан солиқ текширувлари ўтказилмайди

Солиқ кодексига киритилган қўшимча ва ўзгартиришларга кўра, юқори барқарорлик рейтингига эга бўлган тадбиркорлик субъектлари учун рағбатлантириш чоралари назарда тутилмоқда.

Унга кўра, юқори барқарорлик рейтингига эга бўлган тадбиркорлик субъектларига нисбатан солиқлар бўйича (бундан ҚҚС мустасно) ортиқча тўланган суммани қайтариш уч кунлик муддатда амалга оширилиши белгиланмоқда.

Шунингдек, барқарорлик рейтинги бўйича “ААА” тоифадаги тадбиркорлик субъектларига нисбатан солиқ текширувлари ўтказилмайди (бундан жиноий ишлар доирасида ўтказиладиган текширувлар мустасно).

Мазкур тоифадаги тадбиркорлик субъектларига ҚҚС суммаси ўрнини қоплаш камерал солиқ текширувидан ўтказилмасдан бир кунлик муддатда амалга оширилади.

Қонун Сенат томонидан маъқулланди.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Oct, 08:32


Music time

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Oct, 08:21


Жора лауазымларың оң болсын. Әстен изей суудай алып, жоқарыға жақынлап киятырсаң. Сүрникпе достым. Мен қасыңдаман.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Oct, 05:38


Германия хәптесине 4 күнлик жумыс режимине өтти. 5, 6, 7 дем алыс күни. Қалған күнлер жумыс. Бул сынақта өз нәтийжесин берген.

https://t.me/maman_advokat

МАМАН АДВОКАТ

23 Oct, 03:53


#Солиқ_имтиёзлари

Қонунчиликка кўра, болаликдан ногиронлиги бўлган шахслар, шунингдек I ва II гуруҳ ногиронлиги бўлган шахслар меҳнатга ҳақ тўлашнинг энг кам миқдорининг 3 баравари миқдоридаги даромадлар бўйича солиқ солишдан қисман озод этилади.

❗️ Бу имтиёз пенсия гувоҳномаси ёки тиббий-ижтимоий эксперт комиссиясининг маълумотномаси асосида берилади.

https://t.me/maman_advokat