ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... @ibratli_sozler Channel on Telegram

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

@ibratli_sozler


От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.

Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР (Kazakh)

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР Telegram тобы - бұл жариялаған ең үнемі танымал өзге уақытпенді сөздер мен оқиғалар. Толықтайған көтерілмейтін весияларымыз арқылы, сен оқиға үшін үзілетін жақсы сөздерге таптырыласың. Біздің каналдағы атырсанасаң, оның аты "ibratli_sozler". Бұл каналдың мақсаты - адамдарға жетіспейді, оларды ҡорғайды және оларды тарбайды. Біздің мақсатымыз - жақындамайды, ата-аналардың арсыздарын айқындауды өтілгеніміздін, сол себепті каналымыздағы контент ақыл-ойында болады. Жақындамалық, ақыл-ойында сөздер арқылы түйіндемені тарату үшін каналымызды талқыларак танныңыз. Сіз де біздің Instagram және YouTube каналдарымызды көруге арналған сайтымызды көре аласыз. Біздің Instagram каналды Instagram.com/ibratli_sozler_ мекенжайының арқылы тапсыра аласыз. Ютуб каналымыздағы бейнелерді көру үшін: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 17:58


Қайырлы түн

Бүгин және бир жақсы күнимиз жуўмағына жетти...
Бүгин кимгедир жақсылық қылдыңыз яки кимниңдур дәртине дәрман болдыңыз.
Кимгедур жақсы мәсләҳәт бердиңиз яки кейпиятын жақсы сөз бенен көтердиңиз....
Ҳеш болмағанда кимгедур күлип қарадыңыз....
сондайма?
Барқулла ядыңызда болсын Сиз ең жоқары Бахытқа мүнәсип инсансыз....

Қайырлы түн әзизлерим!


https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 17:55


ЖАҚСЫ ДЕМ АЛЫҢ

Ойланып аларсыз өмир тәшўишин,
Сабыр етерсизаў жеткенше кушиң,
Шийрин болсын дейип бүгинлик түсиң,
Жақсы дем алыңыз әзиз Аналар!

Мойнына түсирип хожалык жүгин,
Тынбастан жуўырдыңыз перзент деп бүгин,
Айтар өзиңизге улың ҳәм қызың,
Жақсы дем алыңыз әзиз Әкелер.

Мийрими булақтай толыпта-тасқан,
Кеўлине тең келмес кеңликте аспан,
Ҳәмийше биз ушын жүреги бостан,
Жақсы дем алыңыз апа-сиңлилер.

Қорғайды арыңды намысы дейип,
Атыңыз бизлерге ҳәр кашан бийик,
Жүресиз туўыскан, баўырым дейип,
Жақсы дем алыңыз аға-инилер.

Билместен жақыннан өзиңди ҳәтте,
Урмайды ҳеш қашан гердейип пәске,
Усынар куўаныш атлы гүл дәсте,
Жақсы дем алыңыз әзиз инсанлар.

Жығылсаң турғызып өзиңди қоллап,
Алыслар кеткенде саған ат жоллап,
Ҳал аўҳалыңды ҳәр қашан сорап,
Жүрген досларымаў жақсы дем алың.

https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 17:20


Қазақстанда Әжинияз бабаға арналған ас берилди. Сол кешеде Адайбек аға өзиниң туўған жерине деген сағынышын “Қарызымды қалай саған өтермин” деген өзиниң шығарған қосығы менен жеткизди!

https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 15:52


СЕН ДЕГЕНДЕ...

Жулдызлардың ең жақтысын
Терип-терип алағойған.
Адамлардың ең жақсысы
Сол жақтыға барағойған.

Асқар таўдай адамлықты,
Ағын суўдай ҳадаллықты,
Уллылықты, еденликти
Көкирегиңе қуяғойған.

Сен туўарсаң ақылды да,
Сулыўды да, батырды да...
"Халық" деп сениң атыңды да
Ким қойса да дана қойған...

Сен қуўансаң, кеўлим тасып,
Ай-жулдызды аралайман.
Сәл ынжылсаң, мазам қашып,
Саў жанымды жаралайман.

Базда өзим данадайман,
Базда исим шаладайман.
Сени көрсем, өз атама
Еркелеген баладайман.

Кеўлиңди табыўды ойлап,
Бир сөзди бир сөзге байлап,
Қара түнде қәлем шайнап,
Ақ қағазды қаралайман.

Әрманым сол турсам-жатсам:
Сөз қусын ушардан атсам,
Саған аз кем сөз унатсам,
Басқа бахыт сорамайман.

Әжинияз, Бердақ өтти,
Аббаз, Садық жырлап өтти,
Дәрья болып ҳағлап өтти,
Сол дәрьяны жағалайман.

Косық-теңиз, болсам-балық,
Ис буйырса сиздей халық,
Аяғымды қолға алып,
Басым менен жумалайман.

              И. Юсупов
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 14:48


Кеширерсизлер (Тилгенем)

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 14:33


БАЛАЛАРҒА БАРМАҚЛАРДЫ ТАНЫСТЫРЫЎ

       БАС БАРМАҚ

Бас бармақ—(бас бармақ)
Балаң үйрек—(суқ бармақ)
Ортан терек—(ортан бармақ)
Шүлдир шүмек—(төртинши бармақ)
Кишкене бөбек—(шунатай бармақ)

БАРМАҚЛАРДЫҢ    СӨЙЛЕСИЎИ

Бас бармақ: —Урлық етейик,
Балан үйрек: — Етсек етейик,
Ортан терек: — Қудай бар-ғо!
Шүлдир шүмек: — Қудай не қылатуғын еди.
Кишкене бөбек: —Қудайдың ала танасын әкелип, сойып жейик.

Орта бармақ қудайды ядға алғаны ушын ҳәмме бармақлардан узын болыпты. Шунатай бармақ «қудайдың ала танасын» сойып жемекши болғаны ушын да ҳәмме бармақлардан киши болып, өспей қалған екен.

@Tariyxqa_nazer

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал

https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 13:18


ЖАҚСЫНЫ КӨРСЕМ…

Той- бәзимде қалсақ магар танысып,
Бир- биреўге отырмай ҳәл салысып,
Кетер бирден әлпимиз де алысып,
Жаным жасарады, жақсыны көрсем.

Маргиясы тартып бирден өзине,
Қайыл қалып салдаманлы сөзине,
Нәзерим түскен де ысық жүзине,
Жаным жадырайды, жақсыны көрсем.

Түр- турпаты гөззаллықтан жаралып,
Турған яңлы мийрим нурын таратып,
Әдеп- икрам, ийбесинен нәр алып,
Жаным жай табады, жақсыны көрсем.

Қәлбиниң қуяшы түсип адамға,
Жақсы көрип қаларсаң бир заманда,
Дүнья әжайып көринип мағанда,
Жаным марқаяды, жақсыны көрсем.

Сәўбетлери майдай жағып жаныма,
Ушырассақ деп тураман тағыда,
Қарысып қалғандай қаны- қаныма,
Жаным семиреди, жақсыны көрсем.

Ақшолпан Аманияз 21.11.2024 жыл
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 13:15


#Рәўият

УЛЛЫ ҲАҚЫЙҚАТ

Қартайып өмириниң соңғы демлери өтип атырғанын аңлаған данышпан, өзинен соң шәкиртлеринен кимди орнына  қалдырыўды анықлаў мақсетинде оларды топлап мынадай сораў берди:
"Дүньяда уллы ҳақыйқат не?
Дүньяда уллы жалған не?
Дүньядағы уллы мақсет не?"
Оның шәкиртлери арасында ойланып ҳәм ибрат нәзери менен қарайтуғын, өз пикирине ийе, илимге қуштар, ғайратлы бир жигит бар еди.
Ол данышпан устазы берген сораўлардың екеўине қалай жуўап бериўди билер еди. Үшинши сораўдың жуўабын табыў мақсетинде сапарға шықты. Узақ жол басып, пада айдап баратырған шопан баланы ушыратты. Ол бала мүсәпир жолаўшыны атасының алдына алып барды. Шопан баланың атасы ақыллы, илимли адам еди. Жигит оған сапарға шыққандағы мақсетин айтты.
Дана ғарры мүләйим күлип: "Үшинши сораўдың жуўабын билемен. Алдын сен тапқан жуўапларыңды айт-шы", деди.
Жигит былай деди: "Ең уллы ҳақыйқат - өлим, дүньяға келгенлердиң барлығы бир күни бул дүньядан өтеди. Бирақ, қашан ҳәм қандай ҳалда өтетуғыны жалғыз Аллатаалаға аян.
- Ең үлкен жалған - дүнья. Онда табылған мал-дәўлет, есап-сансыз байлықлардың барлығы алдамшы. Мине, усы жалғанлар ҳақыйқый үйимизди безеўден, мәрийпат сандығымызды толтырыўда тосық болып турады".

Дана ғарры бир мүддет үнсизликтен соң әсте сөз баслады: "Балам, анаў отаўда келиним еки ақлығым менен турады. Оларды өлтирсең, үшинши сораўыңа жуўап айтаман", деди.
Жигит денеси түршигип кетип: "Мен жәллад емеспен!" - деди.
Ал, ата болса, бийпәрўа ҳалда сөзин даўам етип: "Мен усы шәрт есесине туўры жуўапты айтаман", деди.
Жигит: "Бийгүна адамды өлтирсем, ақыретим күймей ме?! Дозақ отында күйип, жәннет нағметлеринен бийнесип болмайман ба?
Устазым бизлерге адамларға мийримли болыўды үйреткен. Устазым көрсетпесинен ҳасла шықпайман", деди.
- Бәрекелла, улым, - деди ғарры.
- Сени сынаў ушын сондай шәрт қойдым. Жуўабын өзиң таптың. Дүньядағы ең уллы мақсет Аллатааланың разылығына ерисиў болып, бул жолдағы ғам ҳасла жаманлық қылмайды. Ким ийманын сақлап, саўаплы ислер менен өмирин өткизип, ел-журтымыздың бахыты жолында мийнет етсе, Аллаҳ тааланың мағфиратына ериседи.

Бул нәсиятларға қулақ асып турған жигит от, сораўлардың жуўабын айтқаннан кейин, устазы оның ҳаққына дуўа қылып, шәкиртлерине оның мәсләҳәти менен ис көриўди, оннан тәлим алыўды нәсият етипти.
Жигит данышпан устазының дуўасы себепли көп жыллар шәкиртлерине сабақ берип, елдиң алғысына ерисипти
.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!

https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 12:26


Болар бала бес жасынан белгили'.

  Халқымыз арасында бир рәўият бар.Күнлердиң биринде уллы Ҳәким Улықпанның алдынажас еки зайыплы келипти:
   Данышпаннан бала тәрбиясы ҳакқында мәсләҳәт сорапты.Данышпан болса,перзент көргениңизге  қанша ўақыт болды деп сорапты.Сонда  ерли зайыплылар жаңа алты ай болды депти.Данышпан бираз ойланып турып,сизлер алты айға кешигип қалыпсыз'-,деп айтыпты.
   Жуўмақ бала дүньяға келместен бурын тәрбия алыўы шәрт,яғный ,дуньяға перзент әкелген ата- аналарымыз тәрбиялы болыўы керек демекшимен.
  Шаңарақта ата-ана  перзентлерине қанша көп ўақыт бөлсе,итибарлы болса,тәрбияда бослық болмаса,әлбетте шаңарақ ағзалары тәрбиялы,әдепли,көргенли болады.
   Ата-аналар дүнья келтирген перзентлери,себепли,бахытлы ата-аналар,ҳәм бахытсыз ата-аналар болып еки тайпаға бөлинеди:
   1.Биринши тайпадағы ата-аналар дүньяға келтирген перзентлери ушын,сый ҳүрметке бөленеди,орны төрден болады,көпшилик олардан үлги алып жасайды,алғыслар айтады.
   2. Ал екинши тайпадағы ата-,аналар,дүньяға келтирген перзентлери ушын халықтан ғарғыс алады,бармағын шошайтып,нәлетлейди.
   Ҳеш бир ата -ана перзентим жаман болсын,бахытсыз болсын демейди,қәлемейди де.
   Сол ушын да перзенти дүньяға келгенде,түн уйқысын,төрт бөлип,муздай бесик таянып,"Ҳәйиў',қосығын ,не арзыў әрманлар,ақыл,нәсият сөзлер,"Қатарыңнан кем болмағайсаң'',деп алладан тилек тилеп айтқан қосықлары,бийкар болып,орны есикте болып қалары сөзсиз.
   Түркмен халқының данышпаны Мақтумқулы: 
Мақтумқулы елге айтар нәсият,
Жаман адам менен болмағыл улпет,
Саған берсе саадатлы бир перзент,
Қартайған шағыңда,жас етер сени ,- деп жырлағанындай ,қартайған шағымызда ,барлық ата-аналардың орны төрден болып,еккен мийўелериниң татлы мийүелерин,терип  алыў несийп еткей деп,алладан тилеп қаламан.
   Перзентлеримизден,ата-аналарды қапа етпей,мудамы,ҳүрметлеп,қастерлеп,абайлап,көздиң қарашығындай сақлаңлар деп илтимас етип қаламан.
  Себеби,перзентлери бахытлы болса,ата-ананың көзлеринде муң болмайды
   Илайым аналар көзлеринде жас тамшылары,болмағай!Бахыт ҳам қуўаныштан көзлери жайнап-жаснағай!!!

Акимова Муслима

https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 12:26


ЖАҚСЫНЫ КӨРСЕМ

Адамлар бар елимде нийети қалыс,
Халқымнан алсам дер ҳәркүни алғыс,
Көзлерим қуўанар жадырап ҳәргиз,
Жаным жасарады жақсыны көрсем.

Ҳәр сөзи  олардың жаныңа дәрман,
Ойлағаны тек те жақсылық мудам,
Олар жүрген жерде бәрҳә шад ғуррам,
Жаным жасарады жақсыны көрсем.

Көзлериң тоймайды қылықларына,
Қәнәәтшил  және  шыдап барына,
Соныңдай пәрмана сүйген  ярына,
Жаным жасарады жақсыны көрсем.

Жоқ жерден бар қылып жүреди олар,
Отырмайды және болып сөксанар,
Жәрдемге жетип кеп демеўшиң, қоллар,
Жаным жасарады жақсыны көрсем.

Дилбархан Айтжанова

https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 10:15


Улым, саған айтаман!

          (Дүркиннен)

     1. Нәсийҳат

          Шәрьярға

Улым!
Шайыр халқы сөйлемес жалған,
Анаң ғыйбат айтса исенбе, жаным!
Тири жетимлик бул – әййемнен қалған, –
Ески жапсағыдур жаңа дүньяның.

Тәғдийр әжиўасы –
Руўҳтың пәслиги –
Кимге – алиментдур,
Кимге – айралық!
Шықлы қара гүлдей көзин жас қылып,
Жәбири жетимлерге жетер айланып.

Жетим: ,,Аға-аа!.." десе, –
Қәлбиң безилдеп, –
Баўырың гириян болып,
Езилмеўи ушын, –
Аҳыў-пығаныңды кимлер сезинди,
Кимлер сезинбеди?! –
Сезимине түсин!

Түсинисип жупласар ҳәтте гүбелек.
Қумыры тақ өтер жойтса жубайын!
Тилсиз түсинисер
Еки гүңелек,
Пәми гүңелектен,
Сақлан удайым!

Жәўҳарың жойтылса – мин емес, –
Мийнет.
Көзиң соқыр болса-ҳәм
Көкирегиң – жақты.
Кеўли соқыр жуптың
Қылса қысыўмет,
,,Жәннет!" деп биле бер
Печин дозақтың!..

Күй сен!
Өртенип күй!
Күл болғанша күй! –
Пысқып жанған шалаң нала келтирер!
Сүйсең –
Сүйгенди сүй,
Күл болғанша сүй! –
Шала ашықлық-ҳәм шала өлтирер!..


     2. Бузып өт!
Кеўлим шәшмесинен тамар сағыныш,
Тасты мүжимес ол,
Мени мүжийди.
Сағыныш алдында не болыпты ғыш! –
Күнлер өткен сайын,
Дәртим гүжийди.

Мен сени сағындым улым,
Шырағым!
,,Сағынбайды!.." десе,
Исенбе ҳәргиз!
Сағыныш сарғайтты көзимниң ағын,
Миллион болсамдағы,
Сенсиз мен – жалғыз...

Сонша шарықлайман, –
Жәўланым – мәзи!..
Қамал қус жолынан бәлент,
Мың нәлет! –
Саған жете алмайды мениң пәрўазым,
Онда сен жылайсаң,
Бунда мен ҳәлек!..

Көзим – миллион мениң!
Лазер – қап-қалың!..
Тинтип дәрбедарман саңлақ,
Өткелин!
Меннен ағла болсаң,
Шығар дал-далын! –
Ҳижран дийўалларын,
Бузып өт бери!..


12-август, 1984. Нөкис.

Шаўдырбай Сейитов
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 08:37


#МОТИВАЦИЯ

Пақыр болсаң оны инсанларға билдирме, ҳәтте сени "бай" деп ойласын!
 
Ғәзебиңди ишиңе жут, ҳәтте сени "бәрқулла нәтийжелерге ерисиўшең" деп билсин!

Ҳәмийше күлимсире, еле бахтыярлығың себебин билмей душпанларыңның иши күйсин!

Тәшўишлериңди адамлардан жасыр, досларың сени "әрмансыз"  деп илҳамлансын!

Дәртиңди тек Аллаҳға  айт, адамлар сени "ең күшли" деп билсин!

Кеўил жақын болса - аралықтың қаншалығы әҳмийетли емес,.
Кеўиллер узақ болса - қасыңда турсада әҳмийетли болмайды

Қыйналған ўақытларыңда узатылған қоллар, бир өмир есиңде қалады.

     Надан даўылға уқсайды, даўысы жүдә күшли бирақ иши жүдә бос.

     Еки нәрсе, сени негизи ким екениңди анықлап береди:

– Ҳеш нәрсең болмағанда сабырың
– Ҳәмме нәрсең болғанда қулқың.

https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 07:33


"Ҳаял кеўили - қылдан нәзик"

Түн.Ҳаял бойындағы аўырыў тәсиринен  уйқысы қашып, орнынан турып ыңырсып, хананы жағалап айланып  жүрди.Ҳаялының азарланып  жүргенин көрген күйеўи - тынышлықпа я толғақ басландыма деди көзлери жайнап.Ҳаял аўа,басланған қусайды тез-тез бийтақатланып атыр деди күлимсиреп.Таң атқанда ҳаял аман-есен босанып алды.Шаңарақта қыз перзент туўылды.Әкениң куўанышы шексиз.Қызын қолына алып,туңғышым деп ийискеп маңлайынан сүйди.
Арадан бир жыл өтип ҳаял және екинши қыз перзентти дүньяға келтирди.Шыпакерлер ҳаялға смзде өткир бүйрек жетиспеўшилиги анықланып,туўыўыңыз қатты қыйын кешти. Енди сизге қайта босаныўға болмайды.Бул өмириңиз ушын қәўипли деди.Буны еситкен күйеўи ҳаялға, сонда не мен ул перзентли бола алмайман ба? үйиңе кете бер.Мен сен менен жасамайман деди қатты қәҳәрленип.Көп өтпей ерли-зайып ажырасты.Еки перзент әке мийиримин көрмей ержетти.Ҳаял қызларым өгей әкениң қысымынан қыйналмасын деп қайта турмыс қурмады.Себеби, ҳаялдың кеўили қатты өксип, ер адамға деген ғәзеби жүрегинде бир өмирге  мөрленип қалған еди.

Наргиз Наурызбаева
Хожели районы

https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 06:32


#Қарақалпақ_ырғақлары

ХОШ ХАБАР!

Татарстан Республикасында “Қарақалпақстан Республикасы мәденияты күни” өткериледи

Усы жылдың 20-30 ноябрь күнлери Татарстан Республикасының пайтахты Қазан қаласында “Восточный базар в Казани” атлы пүткил түркий дүнья еллериниң халықаралық музыка фестивалы болып өтеди.

Фестиваль шеңберинде 26-ноябрь күни “Қарақалпақстан Республикасы мәденияты күни” - яғный Қарақалпақстан көркем өнер дөретиўшилериниң қатнасыўында концерт бағдарламасы өткериледи.

Өткерилиў орны: Культурно-развлекательный комплекс "Пирамида"
Мәнзил: Қазан қаласы, Московская көшеси 3


🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 06:24


🎤🎤🎤🎤🎤🎤🎤🎤🎤🎤

❗️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️

1-декабрь  Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күни мүнәсибети менен «Устаз жолы» газетасы «МӘРТЕБЕҢ БӘЛЕНТ БОЛСЫН АНА ТИЛИМ» атлы Республикалық таӊлаўын жәриялайды!
Таӊлаўда педагогикалық  бағдар бойынша жоқары көрсеткишке мүнәсип муғаллимлердиң ҳәм студент жаслардың жетискенликлери баҳаланып <Устаз жолы> газетасы тәрепинен <Өз кәсибиниң пидайысы> көкирек нышаны,  <Әдиўли устаз> көкирек нышаны, жаслар ушын <Үмит шамшырағы> көкирек нышаны ҳәм  арнаўлы <Диплом> менен сыйлықланады!

Хәр бир муғаллим ушын үлкен ИМКАНИЯТ
👇
Толығырақ түсиник:
@ustaz2023
тел: +90 5767459
Жуўмақ: 30-ноябрь

https://t.me/USTAZ_JOLI
https://t.me/ustaz2023

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Nov, 06:11


ҚУДА ҚУДАҒАЙЛАР.

Қуда тамыр бурын ўақтан,
Сый-ҳүрметлеп келинген,
Қудаларға шеке қойыў,
Сыйласық деп билинген.

Қуда келсе көп тойларға,
Қырғын тийген қойларға,
Қуда-тамыр1000 жыллық деп,
Сиз қайдағы жайларда.

Улың ул боп қызың өссе,
Жақсы тамыр излейсең
Перзентиң кеўил қойғанына,
Бермеўге кеўлиң төзбейсең.

Ул-қызларың жақын етер,
Алыслардан жек-жатты,
Соннан қудалық басланар,
Қатнасығы еки жақтың.

Қуда ҳеш ўақ жаман болмас,
Сый-ҳүрметте болсаңыз,
Еки тәреп ортасына
Алтын көпир салсаңыз.

-Қудаларым қәдирданым,
Келиң төрге өтиңиз,
Олардан аҳўал сорасып,
Сиз-бизликке өтиңиз.

Перзентиңиз гәп айтқанда,
Қәне, қысқарт!- десеңиз,
Қудалар жақсы сен жамансаң,
Деп гәпин дәрҳәл кессеңиз.

Ақыл айтып сөйлемейин,
Ақыллыман демейин,
Қудаларым көп болғансоң,
Индемей, шетте жүрмейин.

Қудалар ол қудай деген,
Аты айтып турыпты
Бир-бирин қудайдай сыйласа,
Жәнжелге урған қулыпты.

Айнанайын ул-қызларым,
Алтын көпир сақлансын,
Қуда-қудағай арасында
Ақлық-шаўлық шағлансын.

Гулдасте Курбанбаева.
https://t.me/ibratli_sozler