ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР @tariyxqa_nazer Channel on Telegram

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

@tariyxqa_nazer


Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!!

28.01.2023 жыл
саат 19:00 де
канал ашылды

Инстаграм канал
instagram.com/tariyxqa_nazer
Ютуб канал
https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР (Uzbek)

Дунёдаги тарих ва уйғунлар ҳақидаги янгиликлар, маҳсулотларга нисбатан оммавий аниқликларга эга бўлишингиз мумкин! "ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР" канали 28.01.2023 йилда 19:00 да фаолият кўрсатиши билан ёлга қўйилган. Бу каналда Қарақалпақстон тарихи ҳақида аниқ, илмий маълумотлар олиб боришингиз мумкин. Бундан ташқари, каналнинг Инстаграм ва Ютуб саҳифалари орқали қўллаб-қувватлай, маълумотларни ошириш ва давом эттириш имконияти мавжуд. Инстаграм каналида @tariyxqa_nazer, Ютуб каналида esa https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413 саҳифасига кириб каналга обуна бўлинг ва ўзингиз учун фойдали маълумотлардан фойдаланинг!

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

27 Jan, 13:02


(Екинши бөлим)

Ағасы Қолхан дәўиринде Дин Мухаммедханға Хорасандағы Ниса, Обивард сыяқлы аймақлар берилди. Бул Ирандағы Сафавий қызылбаслар ели мәмлекети менен тутас аймақлар. Дин Мухаммедханға болса барқулла қызылбас елине шабыўыл етип оларға тыным бермеген. Сол себепли Сафавийлер елиниң атақлы патшасы Шах Тахмасп оған қарсы ләшкер жиберип елин ийелеп алды.

Бундай жағдайда Дин Мухаммедхан Қазўин (Иран пайтахты) қаласына Шах Тахмаспты көриў ушын барды, Обивард аймағын және маған қайта берер ме екен деп, алты ай сонда турды. Шах Тахмасп оған қырсығып көриспеди, сонда да Обивардти Дин Мухаммедханға бериў бойынша пәрман шығарып берди. Жарлықты алған Дин Мухаммедханға Обивардқа қайтты, ҳәм жарлықты көрсетип қалаға кирди, бирақ сол түнниң өзинде қалада турған қызылбас әскерин қырып таслады. Бул ўақыяны Шах Тахмасп еситкен соң үлкен ләшкер менен Обивардқа қарай жүрди. Дин Мухаммедхан Шах Тахмасп киятырғаннын еситип дәрриў оның алдына қарсы алыўға шықты. Шах Тахмасптың тыңшылары Дин Мухаммедханның киятырғанын көрип, шахқа хабар берди. Шах ол қанша адам менен киятырғанын сорады, тыңшылар 40 нөкер деди, шах буғын инәнбай басқа тыңшыларды жиберди, өйткени қызылбас патшасының ләшкери алдына 40 нөкер менен келиў адам исенерлик жағдай емес еди. Басқа тыңшылар да буны тастыйықлады. Көп өтпей Дин Мухаммедхан шахтың алдына шыға келди. Шах будан таңланып ҳайран қалды ҳәм жүрегиң тастан болсын деп Дин Мухаммедханды қудай қонақ етип күтиўди баслап жиберди.

Будан кейин Дин Мухаммедхан Бухара ханына қараслы Мары аймағын да басып алды. Ол кейинги өмирин сонда өткерди, ҳәм қырық жасында сонда бенделикти тапсырды. Ол нөкерлерине мийримли, адам исенбейтуғын қылық, қәсийетлери болған. Одан Паянда Мухаммед ҳәм Абул Мухаммед деген еки ул қалды, уллары жақсы адамлар болып жетилген, деген менен олардан урпақ қалмаған, Дин Мухаммедхан әўлады усында тоқтады.

Дерек: Абулғазы Баҳадирханның "Шажарайи Турк" шығармасы

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

27 Jan, 02:01


Хорезмдеги арабшахий төрелер ишинде ең әжептәўири болған Дин Мухаммедхан ҳәм оның тусында өткен ўақыялар.
(Биринши бөлим)

Елбарысхан менен Билбарыс Султан 16-әсир басында Хорезмге келген соң олардың шақырыўы менен Дешти Қыпшақтағы басқа арабшахий төрелер де Хорезмге келди. Булардың ишинде Аминекхан әўладлары да бар еди. Аминекхан урпақлары ишинде Аўанишхан Хорезмниң 8-ханы болып тахтқа отырды, оның бәйбишеси Маңғыт Журтынан болған бийим еди, Хорезмде Маңғыт Журты айымларын "бийим" деген, ол бийимниң аты нәмәлим бирақ Едиге урпағы болған маңғыт мырзаның қызы еди. Маңғыт Журтында урыс болғанда бийим Хорезмге келип қалған, ҳәм Аўанишханның некесине түскен, будан Дин Мухаммедхан дүнияға келген.

Дин Мухаммедхан әкесиниң елинде 19 жасқа дейин болған, бирақ әкеси оған ҳеш нәрсе бермеген соң қасына жигит жийнап Хорасанға барып сондағы қызылбас елине шабыўыл етип мал таўып келип жүрген. Дин Мухаммедхан сөзи қатты жигит болып айтқанын орынлатпай қоймаймаған. Сол минези себепли күнлердиң биринде Хорасанның Дурын аймағы ийеси және бир арабшахий төре Мухаммедғазының адамларының бирин шаўып малын алдына салып кеткен. Будан ашыўланған Мухаммедғазы султан менен Дин Мухаммедхан арасында келиспеўшилик басланып соңында Дин Мухаммедхан Мухаммедғазы султанды өлтирген.

Нәтийжеде Хорезмдеги арабшахий төрелер арасында жәнжел басланып кеткен, үлкедеги арабшахий төре бир-неше шаңарақлардан туратуғын еди, олардың бәри Жәдигерхан урпақлары болған менен бөлек-бөлек топарлардан турған, бириншиси; Елбарысхан ҳәм Билбарыс Султан әўлады бирге отырған, екинши; Аминекхан әўладлары бир шаңарақты қураған. Усы еки топар баслы тәреплер еди. Хорезм тахтын Аминекхан әўладлары ийелеп турғаны ушын бул бәсекиде олардың қолы бәлент келген, Елбарысхан ҳәм Билбарыс Султан урпақлары әдеўир күшке ийе болғаны менен саўашта жеңилип Султанғазыхан басшығында Бухараға бас алып көшип кетеди. Бул ўақыялардың тийкарғы себепшиси болған Дин Мухаммедхан өзи өлтирген Мухаммедғазы султанның мүлкин ийелеп алады.

Бираз ўақыттан соң Бухараға кеткен арабшахий төрелер Мәўеренахрдағы төрелерди Хорезмге топылыс етиўге көндирип Бухара ханы Убайдулла басшылығындағы ләшкер менен келип Хорезмди ийелеп алады, ал Аўанишханды Елбарысхан урпағынан болған Султанғызы султаның улы Омарғазы өлтиреди. Бул гезде Дин Мухаммедхан Хорасанда Дурында еди. Мәўеренахр төрелери Хорезмде узақ турмай ондағы урыўларды 4 ке бөлип ҳәм мал-мүлклерди алып Мәўеренахрға қайтып кетти, Хорезмде Убайдуллаханың улы Абдулзиз хан болып қалды. Хорасанда турған Дин Мухаммедхан жанына қашып келген арабшахий төрелерди топлап Хорезмди қайтарып алыў ҳәрекетин баслайды. Хорезм тахтында отырған Абдузизхан Бухараға қашып кетеди, ал Убайдуллахан ләшкери Дин Мухаммедхан менен болған саўашта жеңиледи. Дин Мухаммедхан тутқынға түскен Убайдуллаханың бийлерин өлтирмей, оларға тон кийдирип Бухараға қайтарады, ҳәм Убайдуллаханнан Хорезмнен алып кетилген төрелерди ҳәм урыўлары қайтарыўды соранады. Убайдуллахан буған келисим берип Хорезмли төрелерди ҳәм урыўларды елине қайтарады.
Будан кейин Хорезмде Дин Мухаммедханның ағалары (әкесиниң инилери) Қолхан менен Ағатайлар избе-из хан болды, Дин Мухаммедхан ийелигине болса және жер-мүлк қосып берди. Олардың дәўиринде де тахттағы Аминекхан әўладлары менен және бир арабшахий шаңарағы болған Абақхан әўладлары ортасындағы соқлығысыўлар менен өтти. Бухараға кетип қалған Абақхан әўладлары Хорезмге келип атланыс етип отырған.

Дерек: Абулғазы Баҳадирханның "Шажарайи Турк" шығармасы

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

20 Jan, 15:26


Оспанлы дәўиринде Анатолияның Кайсары аймағында жасаған урыўлардың 1453-1650-жылларда хатқа түсирилген атлары ҳәм статистикасы.

Бунда қыпшақлар менен печенеглер де бар. Қыпшақлар саны 3 мыңға шақын, печенеглер саны 2 мыңнан көп болған.

Дерек; Yusuf Halaçoğlu / Anadoluda Așiretler,
Cemaatler, Oymaklar.

Каналымыз; https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

18 Jan, 09:31


Баку қаласында қабыл етилген улыўма түрки әлипбениң қарақалпақша нусқасы яғный "жаңалиф", 1928-1940-жылларда қолланыста болған. Соның менен бирге крилл және араб имласы менен салыстырылған.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

17 Jan, 08:53


#Тарийх_бетлеринен
#Репрессия_қурбанлары

Қарақалпақ қызынан биринши «Болыс» лақабын алған Дәмештиң шығысы қандай?

Кегейли аймағында Сапармурат бай болыс отыз жыл , соң Әбдимурат бай Серекеев “болыс” лаўазымында, соң Дәмеш « болыс» Досымбет бийдиң келини “Ақманғыт” аўылда, ел-журтында мәртебели болған еди.
«Фирдавс-ил-иқбол» атлы тарийхый мийрас дөреткен Хийўалы тарийхшылар «Өмир-кенегес»- Аманқул бий, оның әўлады-Шоңқара бий-оның әўлады Абыл бий, оның әўлады Ерназар бий ҳаққында, Ал, Мухаммад Юсуф Баяний «Шажарайи -Хорезмшахи» мийрас-дәстанда ҳәм Хийуа ханы архивинде Кенегес Ерназар бий, Оренбургқа елши болып барғаны ҳаққында жазылған. Ол үлкен тулға-Ерназар бий- аталықтың ақлық қызларының бири- Дәмегул перий- сулыў, пүткил қарақалпақлардың уллы бийи- Маман бий әўладына, шаўлық келин болып түскен. Ол «Еркин» арна бойынан күн батыстан –күн шығысқа қарай, «Ақмаңғыт» аўылына келин болып келген.

Дәмеш сулыўдың көп жыллар өтпей, күйеўи қайтыс болады, Ол мәкән-қәўиминде, «Болыслық» хызметти алып барған.
Әттең , урыслар ақыбетинде ел-журт бүлгиншиликке ушырайды. Арқада- Дәўқара да , «Әннет»көлде «қупыя» мәжилистен басланған «Совет ҳәм большевиклерге» қарсы қураллы қозғалаң, «Тахта-Көпир базар» ишинде болып, ақыбети, инсанлар өмиринде үлкен қуўдалаўлар, трагедияларға дуўшар етти. Сол жылы, «баспашы,халық душпаны» деп айыпланып, бир неше жүзлеген зиялылар ҳәм ислам руўҳанийлери қатты жәбир көрди.
Кегейли, Жаңа базар. Шымбай аймағындағы ат минген, қамшы услаған, «Ерназар бий» әўладлары-туқымлары қуўдаланды, репрессия болды.
Солар катарында Дәмеш болыс шаңарағыда қуўдалаўға ушырап, мал-мүлки ҳәм палыз еккен атызлары тартып алынды. Акыбетте ѳзге журтларға кѳшиўге мәжбүр болды.

Тарийхшы О.Юсуповтың илимий мақаласынан


Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

13 Jan, 03:27


#Уллы_тулғалар

ДӘСЛЕПКИ ДОКТОРЛАРДАН

Урыстан соңғы жыллары халқымыз арасында түрли кеселликлер ҳәўиж алыўы себепли бул тараў ўәкиллерине болған ықтыяж жүдә үлкен еди.
Сол ўақытлары районда бул тараўда биринши докторлар жетилисип баслады. Усылар арасында ден-саўлықты сақлаў тараўында дерлик 50 жыл хызмет еткен, ҳәзир адамлар ислеген ислерин рәўият етип айтып жүрген, ҳүрмет пенен еске алатуғын Нурлыбай Муталиевте бар еди.
Нурлыбай аға 1928-жылдың 4-июль күни Кегейли районы Ақтуба пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қарасыйрақ» елатында туўылған. 1942-жыл район орайындағы №1-мектепте толық емес орта мағлыўмат алған.

1942-жылдан 1944-жыллар аралығында өз аўылындағы колхозда табелши болып ислейди. Оқыўға болған ықласына бола, 1944-1945 оқыў жылында Шымбайдағы муғаллимлер таярлайтуғын институттың таярлық бөлиминде оқыйды.
1945-жылы сол институттың география факультетине оқыўға киреди. Бирақ сол қысылшаң дәўирде ҳәм жаслайынан жетим қалған Нурлыбайдай жаслардың басқа жақларға барып жумыс ислеўи мүшкил ис еди. Қыйын дәўир кимди болсада ойландыратуғыны белгили еди.
-Ол ўакытлары жасларды оқыўға шақырыў, алып кетиўлер жаман емес еди. Лекин айырым жағдайларда онша жақсы да болмады. Адамларда гүман менен қараўлар көп болды. Мысалы Сарыбай ағамыз урыстың ўақтында еки аяғының тамырлары тилинип келди. Емленип зорға жүрди. Бир күни военкоматтан еки адам келип, оған сен жортаға ақсақ болып жүрсең, аяғыңда бәледе жоқ деп, оның еки аяғын аяқлары менен басып, аяғыңды соз, соз деп азап берип, соңынан Сарыбай ағаның қулындағы даўысы шыққаны еле ядымда. «Көп пенен көрген уллы той» дедиме ақсаңлап Армияға кетти. Сол кеткеннен оннан хабар-атар болмады. Сондай-ақ, ол ўақытта ҳәр қыйлы аўырыўшылықларда көп еди. Оларды емлей алмай халқымыз көп жапа шекти. Усындай жағдайларда халық дәртине дәрман болғым келди ҳәм 1946-жылы Төрткүлдеги фельдшер-акушеркалық мектепке оқыўға атландым. Мениң менен бирге сол ўақытларда урыстан қайтып келген Шамурат Өтемуратов, Досберген Султанов, Ҳәкимияз Қыдырниязов, Ережеп Халмуратов ҳәм Есемурат деген аўылласларымда оқыды. Оларда қәнигеликти ийелеп, халқымыздың ден-саўлығын сақлаў тараўында кимсең «пәленше доктор» болып халыққа танылды, елдиң ҳүрметине миясар болып өтти. Және айтатуғын нәрсе мениң менен оқығанлардың барлығы дерлик саўаш майданларының азапларын татыған, «парахат турмыс болса, жумыс болса шаршадық деп айтпас едик» деп келгенлерден еди. Ал, өзим болсам аўылдағы фронтқа қатнасып, жаслық қабырғамды қайыстырып, сындырмай шынықтырып, солай етип көзимиз ашылып жетискенлерден едим. 1946-жылға дейин аман қалған жигитлер тийкарынан өз үйлерине келип, келмей қалғанлар жөнинде ҳәр қыйлы хабар жеткен дәўир еди. Саўаш дағдарысынан аман-саў келген жигитлер ғайратланып жумысқа тийисе баслаған дәўирлер еди,- деп жазған Нурлыбай аға өз еске түсириў қолжазбаларында.
1949-жылы Нөкис қаласына көшип келген Төрткүлдеги фельдшер-акушеркалық мектебин табыслы питкерип шықты. Оған Кегейли районының
3-аўыллық кеңесиндеги аўыллық врачлық амбулаторияға фельдшер болып ислеўге жоллама берилди. Ол жерде 1949-жыл 1-октябрьге шекем ислеп, кейин усы райондағы 5-аўыллық кеңестеги аўыллық емлеўханада фельдшер болып жумысқа орналасқан. Бул райондағы сол дәўирдеги ири ҳәм тийкарғы емлеўханалардан еди. Жоқары мағлыўматлы қәнигелердиң өзи районда санаўлы еди.
1950-жылдың 10-апрель күнинен– дейди өз қолжазбасында Нурлыбай аға – армия қатарына алындым. Украинаның Шеркас қаласындағы әскерий бөлимине барып, 1957-жылға дейин Смоленский областының Погинс қаласындағы байланыс батальонында фельдшер болып хызмет еттим.
Сыртта жүрип талай машқаларды да басынан кеширди. Нурлыбай ағаның әскерликтен қайтыўына «-Елге кел, атаның шаңарағын қайта көтер, түтинин түтет. Ол жаққа (әлбетте урысқа кеткенлер)кетип келмей қалғанларда аз емес» деп аўылдағы жасы үлкен ағайынлериниң қайта-қайта шақырыўлары себепли 1957-жылы елге оралады.

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

13 Jan, 03:27


1957-жылдың апрель айынан 1988-жылдың август айына дейин, 31 жыл даўамында өзи туўылып өскен 6-аўыл, қарасыйрақ елатында медициналық емлеў бөлимин (мед пунктти) басқарды.
Оның жумыс режими нағыз әскерий тәртипте еди. Оның жумыс орнында бир шөп кесесине жатпас, жапырақлар ушып жүрмес еди. Қапы менен айналарға тутылған сийлелер ҳәр күни тап тазадан тутқандай. Аймақта сол дәўирлерде ҳәўиж алған кеселликлерден таз, көз аўырыўларды, сынық сыяқлы кеселликлерди емлеўде сыртта жүрип топлап келген тәжирийбелери тийкарында өз усыллары бар еди. Нурлыбай аға саат 11ге дейин адамларға дәри-дәрмақлар берип, уколларын салып болыўдан көше аралап кетеди. Оның өзи велосипедли «тез жәрдем» еди.

Халық ден-саўлығын сақлаўда дерлик 50-жыллық дәўир хызмет еткен Нурлыбай Муталиев 1999-жылы дуньядан өтип кетти. Келешек әўладқа ислери үлги, ден-саўлықты сақлаў тараўының нағыз жан күйери Нурлыбай дуқтыр еди.

Мағлыўмат алынған дерек: RRAO_KRB


Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

10 Jan, 05:28


#Уллы_тулғалар

Фронтқа еки рет барған Халқабадлы урыс ветераны Қалбай Әжиев.

Қалбай Әжиев 1921-жылы Кегейли районының Шунақ, ийрим жап бойларында Арзы улы Әжиниң шаңарағында дүньяға келген. Кәмалат жасына келгенде бир аўылдан 17 жигит урыс майданына атланады. Қалбай Әжиев Ленинград қаласын қорғаўда қатнасады. 1943-жылы ҳүжимге атланып баратырғанда снаряд түсип, жарақатланып, әскерий госпиталға түседи. Усы жерден урысқа жарамсыз деп табылып, аўылына қайтарылады.
Аўылға келип, аўыл кеңесиниң хаткери болып ислейди. 1944-жылы қайтадан комиссия дүзилип, Қалбай Әжиев батыстағы фронтқа жол алады. 1945-жылы Берлин қаласын алыўға қатнасады.
10-май күни пүткил дивизия жәмлесип, уллы жеңистиң қуўанышын тойлайды.
1946-жылы әскерликтен босап, елине қайтады. Бирге урысқа атланған 17 аўыллас жигитлерден тек төртеўи қайтып келеди.

Қ.Әжиев Венгрия, Варшава ҳәм Берлин қаласын азат етиўде қатнасқаны ушын медаллары менен
сыйлықланған.

Каналымыз:
https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

06 Jan, 14:25


Уйғырлардың генофонды:

• Қарлуклар
• Орта әсир көшпели түрклери (Тянь-Шань)
• Қараханий
• Чёрные Клобуклар (Суздал)
• Ертедеги хунлар
• Орта әсир көшпели түрклери (батыс Алтай)
• Қыпшақ
• Киймак

Яғный уйғырлардың генетик бабалары усы топарлар есапланады, олар қаншели жоқарыда турғаны сайын ата-бабалық қатнасы күшли екенин аңлатады.

Уйғырларға генетик туўысқан халықлар:

1) Уйғыр
2) Қарақалпақ
3) Хазара (Аўғаныстан)
4) Ноғай (Ставропол)
5) Қазақ
6) Ноғай (Ҳажытархан)
7) Қырғыз (Тәжикстан)
8) Қырғыз (Қытай)
9) Қырғыз
10) Өзбек
11) Сибир татар (Иштияк Тоғуз)
12) Алтайлар (Тубалар)
13) Сибир татарлары (Томск)

Дерек: r/illustrativeDNA сайты

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

05 Jan, 12:10


Аўғаныстанның этнографиялық картасы.

Онда қарақалпақлар түрки тилли халықлар топарына киргизилип, орналасыўы арқада сәўлелеген, бул Балх ўалаяты аймағына туўры келеди.

Мағлыўматлар дереги: Dr Michael Izady, Atlas of the islamic world and Vicinity, Columbia university of the New York, 2022. ( Доктор Майкл Изадийдиң "Ислам әлеми атласы ҳәм оның атрапы" мийнети, Нью-Йорктағы Колумбия Университети, 2022-жыл)

Дерек: atlas_cartography инстаграм каналы.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

05 Jan, 11:05


Оспанлы дәўиринде жасаған Анатолиялы түркмен ҳаялдың ДНК нәтийжелерин аутосомал талқылағанда оған бүгинги күнде жақын ағайин топарлар арасында қарақалпақлар әдеўир жуўық екенин көрсетти.

Дерек: https://www.youtube.com/watch?v=d6o2taGt0n0

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

04 Jan, 18:10


Дала генетикасы, I-Z17855 гаплогруппасы.

Гаплогруппаның Орта Азияда тарқалыўы.

Уллы жүз қазақлары арасында I2a-L460 - 1,2%. Бул гаплогруппа Уллы жүздеги меркит урыўда 41,27%, дуўлат - 1%, жалайыр - 2,2%, ошақты - 6,7%, шапрашты - 6,7%.

Шапрашты урыўы ферғана қыпшақлары шежиресинде, қарақалпақ қыпшақларында ҳәм көшпели өзбеклердиң қырық урыўы қурамында айтылады.

I2a гаплогруппасы Ҳажытархан ноғайлары және қараноғайларында (I-P37, I-S17250) ҳәм қарақалпақларда - 1% ти қурайды. Қызығы сонда қарақалпақлардың салтыр, жәдик, майлыбалта урыўлары Саңмурынның (1620-ж) сақлап алған улы Толыбайдан тараған. Майлыбалта лақаплы Мәденбий әўладлары үлкен итимал менен I2a гаплогруппасына ийе болған деп есапласақ, Саңмурын Қырымнан көшип келиўинен алдын бул гаплогруппа Қырымда Толыбайда яғның оның бабаларында болған. Кейинрек олар шығысқа көшип қарақалпақ қыпшақлары арасындағы үш субгенниң тийкаршысы болды.

Сондай-ақ I2-P37 гаплогруппасы Едил татарларында 4,57% анықланған.

Тарийх.

Бул гаплогруппа славянлардың Балқанға көшиўи менен байланыслы. Ҳәзирги күнде бул гаплогруппа Балқан славянлары арасында көп ушрасады. Шамалаўларға көре I2 ўәкиллериниң бир бөлими Балқандағы ҳәр түрли көшпели топарлар: авар, булғар, хазар, мадияр қурамында дала дүниясына кирген. Аварлар менен булғарлар жергиликли халықты өз қурамына қосқан.

Аварлар тәрепинен қолға алынған Балқандағы Византия халқының барлығы Дүния дәриясы бойындағы Паннонияға көширилген. Булғарлар, аварлар басқа гәўирлер менен араласып көбейип кетеди. Олар (Балқан турғынлары) қолға алынған соң 60 жыл яки одан көбрек ўақыттан соң бул халықтан басқа халық пайда болған себеби олар аварлар менен араласқан. Аварлар ханы дала дәстүрлерине көре олардың саны артқанын ушын оларды жаңа урыў ретинде бөлек шығарған ҳәм еркинлик берип булғарлардан болған Кувер атлы арханды басшы етип тайынлаған.

- Салоникили Димитрийдиң кәраматлары. Топлам II, 8-әсир.

Будан тысқары бул мағлыўмат Константин VII Багрянородтың "De Administrado Imperio" шығармасында "ақ харватлар түрклер (венгерлер) менен неке қурады ҳәм дослық байланыста" деген мағлыўматына дурыс келеди.

Тағы басқа, мәселен I2-L621 гаплогруппасы мадияр (венгер) жаўлап алыўшыларының элита топарына тийисли болып, көбинесе Азиялық аналарының линиялары менен бирге сай келеди. Славян қуллардан келип шыққан келип шыққан версиясы да бар, сол дәўирдеги мусылман географлары мадиярлар (венгерлер) турақлы түрде қоңсы шығыс славян қәўимлерине хүжим еткени ҳәм Кершиде сатыў ушын адамларды тутқын еткени айтылады.

Будан тысқары Алтын Орда дәўиринде славянлар "түрк" әлемине кирген болыўы мүмкин.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

31 Dec, 20:10


Жаңа жылыңыз бенен!

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

23 Dec, 05:51


#Тарийх_бетлеринен

«ЖЫЛЎАН ЖАП»ТАҒЫ ЖЕР БӨЛИСТИРИЎ.

«Жылўан жап» - сағасын ҳәзирде Кегейли каналынан алып, усы районның орайынан ағып өтетуғын ҳәм аяғы Қара сыйрақ маңғытларының аўылына барып сарқылатуғын суў арнасы. Буннан 170-жылдай бурын жергиликли ҳәмелдарлар уйымласа отырып, орталықтын шешими менен усы арнаның бойынан Дәўлетназар бий деген маңғытқа 2 мың гектардан зыятырақ жер бөлип береди. Ол туўралы Хийўа ханлығы архивинде мынандай бир ҳүжжет сақланып қалған екен .

1852-жыл, февраль, 8 Маңғыт тайпасы бийлери ҳәм жүз басыларының маңғыт Дәўлетназар бийге Жылўан жап бойларынан 6000 танап жер бериў бойынша Шешими.

«Маман бий басшылығындағы маңғытлар- Юсипбек жүзбасы , Ерназар бий, Ҳажыбек бий,
Шерман бий, Қәлимбет жүзбасы , Сәңкибай бий, Абылпайыз бий, Сәмет жүзбасы, Шерим бий, Қоблан бий, Қосымбет бий, Досым бий, Берди шүкир бий, молла Қошым бий, Турдықул бий- атлары аталған бий ҳәм жүзбасылар бир келисим менен Жылўан жап арнасы бойындағы егислик ҳәм шүдигар жерлерден маңғыт Дәўлетназар бийге 6 мың танап жер бердик.
Меҳтер-аға басшылығында (гүўалар)- Пазылбек бий, қазаяқлы Абдулла бий, бессары Жәнибек бий, қыпшақлар- Сырым бий, (ҳәм) Ержан бий, қаңлы Абди бий- атлары аталған гүўалар қатнасында усы хат 1269, тышқан жылы, екинши рәбъи айының 28-сәнесинде, «жаңа киши шилле»ниң 20-күни, дүйшембиде қағазға түсти».

Мағлыўмат алынған китап Ю.Э.Брегель китабынан.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

20 Dec, 19:04


Видеоның МП3 түри

https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

20 Dec, 15:03


Халқымызға белгили Базаргүл Каримованың "Қыз Сағынышы" қосығы Түркияда Ферял Башел Түзүн тәрепинен қарақалпақша нусқада атқарылды.

Дерек: (Қосықты ютупта тыңлаў ушын) https://youtu.be/JoyWuWk8xQY?si=kFUxaAxeFEubm8GM

Егер атқарыў сизге унаған болса оны ютупта баҳалап пикир қалдырыўды кеңес беремиз.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

18 Dec, 16:04


мәдениятын бурын болмаған форма ҳәм атқарыўшылық стиль методлар менен безеп творчестволық жақтан раўажландырғанлығында¹, — деп келтирген еди.
Ақымбет баслаған мектептиң түпкиликли репертуарларында атқарылған дәстанлар «Юсуп-Ахмет », «Ашық-Нәжеп», «Тахир-Зәўре», «Фарахад-Шийрин», «Баба Рәўшан», «Гөруғлы» ҳ.т.б. көп дәстанлар менен Бердақ, Әжинияз ҳәм шығыс халықлары шайырлары жазған қосықларды да атқарған.
Бердақ шайыр да Ақымбетке шәкирт түсип, намалар үйренип, өзи жазған қосықларды үйренген намаларға салып атқарып келген. Ақымбет бақсы туўралы заманласы Әжинияз шайырдың тәрип қосықларын да төмендегише келтиреди.

Болды хош ўақ нешше күн, дүньяда ол әшрет етип,
Йигирма-отыз шәкирти йүрди аңа хызмет етип,
Берди руқсат нешшелерин өзидек устаз етип.

Әжинияз шайыр да көзи менен көргенлерин, Ақымбеттиң жетик дәрежели бақсы болғанлығын, өз қосығында сәўлелендиреди.
Ақымбет туўралы халықтың сүйиспеншилигинен бир қанша аңызлар да пайда болған. Мәселен, Ақымбет туўыларда анасы бүлбилдиң етине жерик болған екен десе, екинши биреўлер Ақымбет саз шертип отырса бүлбил дуўтарының қулағына келип қонып кете береди екен деседи. Бул аңызлар бақсыны шеннен тыс жақсы көргенлигинен, оған деген жоқары сый-ҳүрметтен дерек береди.
2014-жыл, 28-декабрь күни Өзбекстан Мәмлекетлик Көркем өнер мәденият институты Нөкис филиалында Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес, «Жыраў-бақсылар» жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен өткерилген «Ақымбет бақсы ҳәм бақсышылық мектеби» атамасындағы конференцияда, профессор Өсербай Әлеўовтың берген мағлыўматына қарағанда Әжинияз шайыр үйленген тойында Ақымбет бақсыдан хызмет етип бериўди өтиниш етип, қосық қатарлары менен төмендегише хат жоллайды:

Буў-саламин яшмышлап-ол бүлбили гөяға мен,
Лебаң хош, шийрин зибан, бир маўжиран дәрьяға мен,
Зәҳий шәбик хош тақаллим, ишира ол ағлаға мен,
Әҳли Хорезм ишира, өз әсиринда, ол яккаға мен...

Ақымбет бақсы Әжинияздың өтиниши менен тойға келип тамаша берген.
Өмириниң ақырына шекем бақсышылық өнерин раўажландырып, мәңгилик намалар дөреткен Ақымбет бақсыға арнап төмендегише қосық жазады:

Раббасаний айында мың еки жүз ерди сәне,
Тоқсан ила тоғызай ҳәм устинда бардур яна,
Жан қушы ушты, қапсетин кирмадий қайтып тәна,
Буў өлим қоймас, келурлар бәрша өшбуў юргана,
Буў өлим шаңғәлидан дүньяда қалған олмадый...

Усы Әжинияз шайырдың арнаў қосындағы мағлыўматты изертлеп үйренгенимизде Ақымбет бақсы 1882-жылы дүньядан өтеди. Ҳижрий жылы менен 1288-жылы болады екен. Ақымбет бақсы қарақалпақ халқының көркем өнериндеги миллий намаларды дөретип, өзи атқарып, көплеген шәкиртлер таярлап, бар талантын халқына берип кеткен, миллий саз өнеримизди көклерге көтерип кеткен уллы устаз болып мәңги халық жүрегинде жасап келеди.

АДЖ-Авторлардың дала жазыўлары 1970, 1981, 1997

Автор: Теңел Қаллиев

Мағлыўмат алынған китап: «Қарақалпақ Бақсыларының устазы»


Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

18 Dec, 16:04


#Қарақалпақ_саз_өнери_тарийхындағы_уллы_тулғалар

АҚЫМБЕТ БАҚСЫ (АҲМУҲАММЕД)
(1820-1895)


Қарақалпақ халқының көркем өнери ишинде бақсышылық жолы сөз етилер екен, биз сөз басымызды Ақымбет бақсыдан баслаймыз. Ҳақыйқый аты Аҳмуҳаммед болып, бирақ Ақымбет болып айтылып кеткен. Ақымбет бақсы биринши бақсылар мектебин жаратып, халық намаларымыздың дөретиўшиси, күшли сәзенде, жағымлы ырғаққа бай ҳаўаз ийеси, алғыр бақсы деп тән алынған. Себеби, пүткил Туран ойпатлығына белгили, даңқылы бақсы болған. ( Мен бул мағлыўматты өткен 2015-жылы «Мәденият ҳәм спорт» газетасында «Қарақалпақ бақсыларының уллы устазы» атамасындағы тема менен халыққа жәрияладым.)
Әлбетте, Ақымбеттен де бурын талай устазлардың өткенлиги туўралы аңызлар бар. Бирақ оны избе-из көрсететуғын анық дәлиллер жетерли емес. Мәселен, Абдулла ханның заманында (XVII әсир) Бухарада жасаған атақлы қарақалпақ бақсысы Ананас Сақы, Айтуған Сақы, оннан кейинги Маңғытлар бийлиги тусындағы Жасыбай бақсы, Байтурсын бақсы, Байыр бақсылар да өз заманында атақлы бақсылар болған. Ал Ақымбет болса Үргениш журтындағы қарақалпақ бақсыларының ең ири ўәкили.
Ақымбет бақсы Шымбай районының арқа тәрепиндеги бурынғы «Аққала»ның «Торғай тереги», ҳәзирги «Ақ алтын» хожалығындағы «Қос терек» деген жерде шама менен 1820-жылы Досымбет (Досмуҳаммед) жағалтай қыпшақтың шаңарағында дүньяға келеди. Ақымбеттен соң иниси Бекимбет туўылып, ол тәўипштлик пенен шуғылланған ҳәм шанышпай деген ат алып өткен.
Ақымбет балалығынан бақсыларды көп еситип, оларға ҳәўес етип, сазға қумарлығы, елеклеў арқалы бақсышылығы басланған болыўы мүмкин. Себеби талант еликлеўден басланады. Устаздан тәрбия алғанлығы анық. Егер де шала бақсы болғанда яки дуўтарын шала ойнағанда, буншелли аты-ҳаўазасы әлемге тарамаған болар еди. Бирақ, тилекке қарсы устазы ким екенлиги де белгисиз, бул туўралы мағлыўмат қалмаған. Қандай болғанда да бақсышылық жолын терең меңгерген ҳәм көплеген намалар дөреткен бақсы. Қарақалпақта устаз-шәкирт жолы жақсы ҳәм сәтли раўажланған. Ақымбет бақсының тәрбиясын алып өз алдыларына жетик бақсы болып шыққан шәкиртлери оғада көп болған. Устаз шәкиртлерине оғада қатты қол болып, оларды тежеп туратуғын болған екен. Бир наманы толық үйретпей турып екинши бир наманы басламаған. Аяққа турып киятырған бақсы шәкиртлерин изине ертип, өзи халықтың алдына шығарда, шәкиртлери дуўтарды жанапайға шертип отыратуғын болған екен. Намаларды толық атқарып үйренип китырған шәкиртлерине, бақсылар атқаратуғын ашықлық дәстанларынан үзиндилер берип тыңлап барған. Сол үзиндилерди ядлап болғанларын, халықтың алдына шығарып, сыннан өткерип туратуғын, шалаларын еринбестен ислетип, толықтырып отырған. Шәкиртлери бирдейине устаздың үйинде болып, белгили ўақытқа шекем бирге жасаған. Еки, үш дәстанды толық дәрежеде ядлап ҳәм шебер атқара алатуғын болғанда, Ақымбет халықты жыйнап, шәкиртлерин тыңлатып, соңынан пәтиясын берип, шәкиртлерине ҳақ жол тилеп қалады екен. Сонлықтан да Ақымбет бақсыдан аты шыққан атақлы бақсылар тәрбияланып шығады. Олардан Муўса, Сүйеў, Еденбай, Байнияз, Хожа бала, Есназар солақай, Есемурат, Серик ҳ.т.б. Бул бақсылардың ҳәр қайсысының атқарыў жоллары ҳәр қыйлы болғаны менен түп тийкарғы билимди Ақымбеттен алады. Соның ишинде Муўса бақсы нағыз Ақымбет жолында айтатуғын болып шығады. Шәкиртлерине пәтия берерде Ақымбет бақсы Муўса бақсыға нәўбет келгенде:
— Шәкиртим Муўса, қай тәрепке барсаң да сени тыңламайтуғын халықтың өзи болмайды, — деп исеним билдирген екен. Ақымбеттиң изин даўам еткен, нағыз қарақалпақ намаларын дөреткен Муўса бақсы болады.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Педагогика факультетиниң «Музыкалық билим» кафедрасы тәрепинен «Қарақалпақ бақсышылық мектебиниң бүгинги машқалалары» атамасындағы болып өткен илимий-әмелий конференциясында, белгили бақсы ҳәм сазенде Қ.Тныбаев өз сөзинде илимпазлардың бақсышылық мектебин Муўса ҳәм Сүйеў бақсы деп екиге бөлиўи Муўса бақсы өзиниң устазы Ақымбет бақсы жолын, ал Сүйеў бақсы устазы Ғәрипнияз баслаған жолды жоқары басқышқа көтерип, бақсышылық өнерин,

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

14 Dec, 08:18


«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам 1992-жыл 14-декабрь күни қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының мǝмлекетлик суверенлигиниң символы болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы жайларда үлкен кирер аўыздың төбесинде ямаса буның ушын қолайлы орында, ямаса кийдирилетуғын сапта, ямаса флагштокта көтериледи, бунда байрақтың сабы жайдың фасады менен қоса 45 градустан аспайтуғын мүйешти пайда етеди.

Көтерилген Қарақалпақстан Республикасы Мǝмлекетлик байрағының борлаты жерден ең кеминде 2,5 метр бǝлентликте болыўы керек.

Каналымыз👇
https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

09 Dec, 18:43


Қарақалпақтың босқа қалған хабары,
Мәрт жигиттиң келер намысы ары,
Уғлы Досназардың Аллахыяры-
Мәскеў мәжилисине бара баслады,
Бул бир жигит екен өзи айбатлы,
Сөйлеген сөзлери шекерден татлы,
"Еркин қарақалпақ - мухтариятлы", -
Деген сөз ҳәр жерден шыға баслады.


Қарақалпақстанды дүзиўди ислери енди басланып атырған ўақыттағы ўақыялардан тәсирленип Аяпберген Муўсаев тәрепинен жазылған "Биринши Май" қосығынан үзинди.

Дерек: "Қарақалпақстан Тарийхнамасы" Б.А Қощанов. Нөкис, "Билим", 2016-жыл.

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

09 Dec, 15:01


Мағлыўматларға алынған китап.

"К истории ислама у каракалпаков: исторические социальные этнические и генеалогические контексты"
Максет Карлыбаев, Нукус - 2021.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

09 Dec, 14:48


Әмиўдәря бөлиминдеги мешитлер.

Түркистан ГГ Сырдәрия ўалаяты алып барған 1895-жылғы есаплаўға көре Әмиўдәря бөлиминде
тас ҳәм гербишли мешитлер -1,
пахса (атпа ылайдан) қурылған мешитлер - 387,
ағаштан қурылған мешитлер жоқ.
Православ ширкеўи - 1 (Петро-Александровск де орналасқан тасқан қурылған).
Синагогалар жоқ.

Бирақ бираз кейинги мағлыўматлар өзгешерек.
Әмиўдәря бөлиминде 1899-жылға келип,
сабор мешит - 1,
орта мешитлер - 797,
Бир ғана Шорахан участкасындағы уламалардың қәбирлери, мақбаралар - 40592.
Диний имаратлар туўралы 1898-жылғы мағлыўматта Шорахан участкасында
пискен гербиштен жасалған 2 мешит,
пахса усылында қурылған мешит Петро-Александровскте (Төрткүл) - 1,
Шорахан участкасында - 170,
Шымбай участкасында - 303.

Петро-Александровскте бир дана сабор мешити бар онда Бир имам отырады. Шораханда сабор мешит жоқ.
Пахсалы мешитлер Төрткүл болыслығы Төрткүл ақсақаллығында - 20,
Сарыбий ақсақаллығында - 17,
Бағжап ақсақаллығында - 15,
Хожакөл ақсақаллығында -12,
Шорахан болыслығында - 36,
Шаббаз болыслығында - 16,
Шимам ақсақаллығында - 16,
Саркоп ақсақаллығында - 13,
Хан жапы ақсақаллығында - 5,
Бийбазар болыслығында -16, имамлар саны да усыншама.

Солай етип 1900-жылдағы мағлыўматларға көре Әмиўдәря бөлиминде сабор мешитлер -3, бул Шорахан участкасында.
Пахсалы мешитлер:
Шорахан участкасында - 267, ишанлар саны - 67
Шымбай участкасында - 619, ишанлар саны - 102
Тап усы ҳүжжет бөлиминде пахсалы мешитлер улыўмалық саны - 827.
Шорахан участкасындағы пахсалы мешитлер:
Төрткүл болыслығында - 44, ўақым мүлкинен келетуғын дәраматы - 9736 рубл
Шорахан болыслығында -33 ўақым мүлкинен келетуғын дәраматы - 8500 рубл
Сарыбий болыслығында - 32 ўақым мүлкинен келетуғын дәраматы - 14957 рубл
Шаббаз болыслығында - 80 ўақым мүлкинен келетуғын дәраматы - 21000 рубл
Бийбазар болыслығында - 12 ўақым мүлкинен келетуғын дәраматы - 4676 рубл
Олардың ҳәр биринде соншама имамлар (молла) ўақтым мүлкинен келетуғын дәраматлар болған.
Солардан Шорахан болыслығында бир мешитте жылына 45 пуд бийдан ҳәм жуўери есесине ижараға алынған 16 танап ўақым жер болған.

Мағлыўматларға қарайтуғын болсақ 1895 -1910-жылға шекем болған аралықта бәрше болыслықлардағы мешитлер саны 29-30% ға сабор мешитлер 4 есе көбийген. Бул мешитлердиң финанслық қоллаўшылары жергиликли байлар, саўдагерлер, ири ҳәм киши шәрўа ийелери ҳәм тағы басқалар болған. Будан тысқары ийшан ҳәм хожалар өз қәлеўлери менен саўдаға инвестиция пул тиккен ҳәм пайда алып отырған. Қалаберсе бул дәўирде Россияда экономикалық өсиў дәўири болған. Диний ҳәм идеологиялық пикирлерге сай түрде халық элитасының үлкен бөлими сондай-ақ тақўадар жәмаат саўап ҳәм парыз болғаны ушын диний институтларды қурыўға ҳәрекет еткен. Соның менен бирге сол ўақытта шеп жағалықтағы Хийўа ханлығы ийелигинде де мешитлер саны артқан. Үлкен дәрамат алыўшылар пулларның бир бөлимин мешит, медреселер қурыўға тиккен.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

08 Dec, 03:01


Қарақалпақ Генетикасы
(4-бөлим)

Урыўлар дәрежесинде туўысқанлық коэффициенти төменрек болса да, бирақ үш топар қарақалпақ қоңыратлары, қазақлар, түрменлер ушын бул әҳмийетли еди. Бирақ он төрт урыў ҳәм өзбеклер ушын бир урыўдан болған ерлер өз урыўындағы ерлер менен ағайин болып шықты, бирақ қәўим ишинде урыўлар арасындай бул күшли емес. Басқаша етип айтқанда қәўим бул аңланбай таңлап алынған популяциялар ортасында жүз бергенлеринен тысқары, бир-бири менен ҳеш қандай генетик байланысқа ийе болмаған урыўлар бирлеспеси.

Бул сыяқлы қәўимлер дәслеп генетик жақтан бирдей кеңийген яки шаңарақ топарының кеңийўи ҳәм бөлиниўи нәтийжесинде емес, бәлким бир-бирине байланыслы болмаған урыўлар конференциясы ретинде сыясый жақтан қәлиплескенин көрсетеди.

Ўақыт өтиўи менен генетик мутатцияның даўамлы тезлиги ҳәм 30 әўлад дәўрин есапқа алынғанда изертлеўшилер улыўмалық баба бар болғанынан берли өткен әўладлар санын жылларда есаплап шықты.

Шәрўа ҳәм дийхан жәмийетлери

Дийхан жәмийетлери көшпели шәрўа жәмийетлерине қарағанда демографик жақтан тез көбийеди. Көшпели шәрўа жәмийетлери дийханларға қарағанда генетик жақтан көп түрли болады. Себеби бул жәмийетлерде ерлер mtDNKны өз урыўларнан басқа урыўлардан болған келинлерге үйленеди.

Солай етип анализлерде бирдей гаплогруппаға ийе кенегес қәўиминиң өмир урыўының 13 адам, маңғыт қәўимниң қарасийрақ урыўынан 10 адам бирдей гаплогруппаға ийе, тап усы урыўдың басқа ағзалары ҳәр түрли гаплогруппаға ийе. Идентификация ядросы деп аталатуғын топарға жақын болғанлар мутатция нәтийжесинде пайда болған болыўы мүмкин, узақлаў орналасқанлар иммигрантлар яки сақлап алынған балалардың урпағы.

Жуўмақлап айтқан қарақалпақлар тарийхы бойынша дереклер жеткиликли емес, сол ушын қарақалпақ конференциясы қашан, қай жерде, қандай сыясат, қандай себеплерге көре жаралғанын анық айтыў қыйын, бирақ бул бойынша тарийх илиминде түсиндирмелер бар.
Қарақалпақлардың еки арысы генетик жақтан бир-бирине уқсас және ерлер хромосомалары бойынша. Олардың екеўи де қубладағы қоңсылары болған Хорезм өзбеклерине бирдей жақын, бул болса қарақалпақлар ҳәм өзбеклердиң келип шығыўы жүдә уқсас екенин билдиреди. Қарақалпақлар ҳәм өзбеклер арасындағы тийкарғы парқ бирдей белгилер арасындағы аз айырмашылыққа ғана. Қарақалпақларда шығыслық белгилер бираз көбрек. Мүмкин себеплерден бири қарақалпақлар ҳәм қазақлар арасындағы байланыс кейинги 400 жыл ишинде өз-ара некелерден болыўы итимал.

Будан кейин қарақалпақлар уйғырлар, қырым-татарлары ҳәм қазан татарлары менен ер адамлар генлери бойынша жақын. Бирақ ҳаяллардың генлери уйғыр ҳәм қырым-татар, қазан татарларынан түптен өзгешеленеди. Ерлер линиясы арқалы Едил татарлары менен анық генетик байланыс бар.
Қарақалпақлар генетик жақтан қазақлар (жалпы қазақ халқы), түркменлер ҳәтте қырғыз ҳәм тәжиклерден әдеўир алыста. Негизгинде қарақалпақлар ҳәм қазақлардың генетикасы өзгешелениўи қызық жағдай, олар узақ ўақыт қоңсы жасаған, сыясый, социаллық байланысларда болған, бирақ қазақлардың генетикасы пүткиллей өзгеше, олар Шығыс Азиядағы моңғолларға жақынлаў. Деген менен өз-ара некелеп себеп қазақ қарақалпақ арасында байланыс бар.

Қарақалпақ Y хромосома полиморфизмлери Орта Азияның басқа популяцияларындағы анықланған mtDNK полиморфизмлеринен уқсас тәризде парқ етеди.

Урыў, қәўимлик жақтан қарағанда өзбек ҳәм қарақалпақларда бирдей аттағы урыўлар бар. Мәселен Хорезм ханы Абулғазының 1644-1645-жыллардағы урыўлар реформасындағы аты аталған 11 урыўдың 8 қарақалпақларда бар, қарақалпақлардың басқа аймақтағы өзбек урыўларына қарағанда, Хорезмдеги урыўлар менен уқсаслық күшли екени гүмансыз.

Сурхандәриядағы қарақалпақ анклавлары 18-әсирдиң биринши ярымында дүзилген, жоңғарлар соққысы себеп қарақалпақлар әўел Самарқандқа ҳәм одан қублаға өткен. Айрым шамалаўларға көре қарақалпақлар 16-әсирде-ақ Шайбақхан менен бирге келген. Этнографлар Татьяна Жданко, В.Ф. Чориевлер қарақалпақ қоңыратлар, Хорезмдеги өзбек қоңыратлары, Сурхандәриядағы өзбек ҳәм қарақалпақ қоңыратлары туўысқан екенлигине шолыў берген.

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

08 Dec, 03:01


Мақалада айтылған мағлыўмат бойынша кестелер.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

01 Dec, 15:29


Қарақалпақлардың тил мийраслары

Қарақалпақ халқы жүдә әййемнен киятырған өзиниң таза, жүдә бай мәдений мийрасларына ийе. Әдебий ҳәм фолклорлық дөретпелер қарақалпақ халқының бай мәдений мийрасларының үлкен бир топарын жәмлейди. Көпшилик түрки халықларына кеңнен мәлим болған аўызеки әдебияттың үлгилери болған халық дәстанларының ең бай, ең сап нусқалары қарақалпақ халқында сақланғаны мәлим. Қарақалпақ халқының қахраманлық дәстанлары "Қоблан", "Едиге", "Ер Шора", "Алпамыс", "Мәспатша", "Қырық қыз" дәстанлары солардың қатарына киреди.

Қарақалпақ халқының аўызеки дөретпелериндеги үрдис, пикирлеў ҳәм ой-пикирди сөзде тулғаландырыў усыллары халықтың әдебий тилиниң өзеги болып бизиң дәўиримизге дейин жетип келди. Усындай халықлық руўҳ жазба жолы менен қоңсы түрки халықларынан енген, ямаса солар менен ортақ болған әдебий мийрасларға да өтти. Мәселен "Ғәрип ашық", "Юсип-Әҳмед" сыяқлы дәстанлардың қарақалпақлар арасындағы түри өзиниң стиллик ҳәм тил өзгешеликлери жағынан өзбекше яки түркменше нусқаларынан ҳәр тәреплеме қарақалпақласқанлығы менен парықланып турады. Бул нәрсе сол гезлердеги қарақалпақ халқының өзине тән мәдений дәстүриниң нәтийжеси, қоңсы халықлардың ортақ мүлклерин қарақалпақлардың өзлериниң талабына, эстетикалық татымына сай келтирип бағындырып өзлестире алыў уқыбы жемиси.

Революцияға дейинги Қарақалпақстан жеринде басқа қоңсылас түрки халықларда болмаған сап мазмунға ҳәм стильге ийе болған бир қатар лиро-эпикалық жанрда жазылған сап қыссалар дөрелген фактлери бар. Соңғы ўақытлары қолжазбалары табылған "Едиге" дәстанының қысса нусқасы "Қумырыхан", "Шәрьяр" усаған лиро-эпикалық дәстанлар бул пикиримизге дәлийил болады. Бул дәстанлар Қарақалпақстанның Шымбай ҳәм Қоңырат районларында белгили саўатхан, шайыр қыссаханлар тәрепинен жазылған.

Дерек: Ҳ. Ҳамидов. Ески қарақалпақ тилиниң жазба естеликлери.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

01 Dec, 03:00


Ассалаўма Әлейкум азиз ўатанласлар
Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 35 жыл толды, бәршеңизди байрам менен шын кеўилден қутлықлап қаламыз!

® Тарийхқа Нәзер каналы
https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

28 Nov, 17:14


"Кочевые племена ПРИАРАЛЬИЯ в XV - XVII вв" Т. И.Султанов.

Арал бойындағы ҳәм Орта Азия далаңлықларындағы көшпели урыўлар тарийхы туўралы китап, бунда қарақалпақлар ҳаққында да мағлыўматларды көриўиңиз мүмкин.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

26 Nov, 18:27


Татар болмаған татарлар

Бул адамларда қандай улыўмалық бар деп ойлайсыз?

Хасанов Мансур Хасанович (1930-2010) - түрли дәўирлерде Татар АССРы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Татарстан Республикасы Илимлер Академиясы президенти, Татар Энциклопедия Институты директоры.
Ғайсин Илшат Ахатович (1939-2021) - түрли дәўирлерде Қазан Мәмлекетлик Аўыл Хожалығы Академиясының проректоры, Илимлер Академиясы журналист ағзасы. Татарстан Республикасы Аўыл Хожалығы илимлери докторы, профессор, Россия Федерациясында хызмет көрсеткен агрохимик.
Илдарханов Илдус Гареевич (1944-ж.т.) - түрли жылларда журналист, "Шәҳри Қазан" газетасының бас редакторы, ТАССРсындағы "Татарша Көрәш" миллий гүрес спорты федерациясы баслығы. ТАССРында хызмет көрсеткен мәденият ғайраткери.
Яғфаров Хусаин Ғумерович (1952-2021) - шайыр, Нижнекам ўалаятының бас ветеринар шыпакеры.

Булардың ҳәммеси қарақалпақлардың урпақлары!

1831-жылда Оренбург Мәмлекетлик палатасы қарары менен қарақалпақлардың 32 ревизион топары (жәми 15 шаңарақ 57 жан) Оренбург ўалаяты, Мензенинский районы, Биринде дәриясы бойында (Татарстан Республикасы Тукаеваский районы Иштеряково) Алансу ясак татарлары менен есапқа алынды.
• Ясак татарлары бул қарарға разы емес еди, себеби олардың халықтың Жан басына туўрыдан-туўры ажратылатын дереклер ревизион топарлар санынан бир неше есе азайғай, яғный оларға тийесин үлес кемейген. Жағдай аўырласқаны себепли ҳүкимет бир неше жыллар қарақалпақ егинлерин қорғаўды шөлкемлестирди. Бул жерде бир аўыл ишинде бир әсирге шамалас келиспеўшиликлер болып турған, ҳәм соңында қарақалпақларды "қырғыз очы" деп атаў басланған (қырғыз аты олардың қырғыз-кайсакларға байланыслы болғаны ушын болыўы керек бирақ анық емес). Олар соңынан башқурт урыўларына қырғыз аты менен қосылған
• Қырғызлар (қарақалпақлар) сан жағынан аз емес еди, 32 қырғыз 113 ясак татарына қарсы). Бирақ олар өзлери менен аўыл хожалығының жетилискен түрин ҳәм биринши гезекте бақ жаратыўды алып келди, мәлим болғанындай жергиликли татарлар буларды билмеген.
• Кейинрек ҳүкмет белгили мүддетке қурылыс ҳәм хожалық жүргизиў ушын мәмлекетлик тоғайлардан өз алдына участкалар пайда еткен. Қырғызлар бул мәселеге табыслы шешим таўып қоңсы Елабугада ағаш саўдасын баслады. Тоғайға кириў имканятын жоғалтпаў ушын Ташлық аўылынан келген тоғай бақлаўшысы менен ағайин болып алған.
• Және олар қымыз писиўди билетин еди ҳәм бул қымыс Мензелинская районының ең батысындағы Иштеряковода қымыз бәндиргисине айланды. Пристанның жақынлығы себеп қырғызларда жазда қымыз ушын келетуғын бай қазанлы мийманларды қабыл ететуғын еди. Тек Идрис Исмагиловтың шаңарағында (1883-жыл туўылған) 17 саўын бийе, падасы 50 басқа жақын болған. Қырғызлар 7 жыл избе-из Лаишевский районындағы ат шәрўаларына барып, қымыз писиў ҳәм ат сақлаўды үйренген.
• Булардың бәрине қарамастан Иштеряководағы қырғызларға атақ қоспады, келиспеўшиликлер себеп олар кейинрек өз алдына мешит, бөлек қойымшылық, бөлек калхоз дүзип алды.
• Соның менен бирге қырғызлар өзлериниң палыз егинлери менен аш қалмаған, олар ҳәр дайым бай болған, ҳәм соның ушын олар Иштеряководағылардың унатпаўына қарамай олардан қыз алып отырған, өзлерин бай ҳәм мүнәсип күйеў деп есаплаған адамларда оларға қызларын берген, өйткени екиниң-бири империя алтыны менен қалын мал төлемеген, (пулға келгенде келиспеўшиликлер умытылған).
• Қырғызлардың неке дәстүрине мысал: Идрис Исмагиловтың әкеси Исмагил Зюмагуловтың (төмендеги 1900-жылғы сүўретте ол шағарағы менен) төрт улы ҳәм бир қызы Гамбәр бар еди. Гамбәр айым турмысқа шыққанда да аты ким Қызыл Кадка (Татарстан Республикасының Ютазинский районы) имамы Хабибрахман бин Хабибулла Муратаев ал Байрякавтың улы шайхлар шаңарағы ўәкили Абдулбари Муратвевқа турмысқа шықты. Бул неке менен қырғызлар сол дәўирдеги жергиликли мусылман шақасының әҳмийетли бөлимине қуда болып алды.

Дерек: Байки от бабайки каналы

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

26 Nov, 16:59


Live stream finished (1 hour)

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

26 Nov, 15:10


Live stream started

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

26 Nov, 15:10


Live stream scheduled for

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

26 Nov, 15:04


20:10да баслаймыз!

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

26 Nov, 11:26


Ассалаўма Әлейкум ҳүрметли канал ағзалары
Бүгин каналымызда саат 20:00 де "Қарақалпақлар Алтын Орда ҳәм Ноғай ордасы дәўиринде" темасы шеңберинде даўыслы сәўбет болып өтеди, бәршеңизди сәўбетке мират етип қаламыз!!!

https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

24 Nov, 11:57


Әййемги Хорезм мийраслары ҳәзирги Хорезм ойпаты халықларында.

Бартольд "Түркистан тарийхы" китабында әййемги хорезмлилер липасларының өзгешелик жери бийик бас кийим қалпақ болған, ол ҳәзир хийўалылар ҳәм түркменлер арасында сақланып қалған. Әййемги Хорезм тилинен айрым сөзлер бүгинги күнге шекем жетип келген, суўғарыў менен байланыслы хийўалылар ҳәм түркменлер тилинде қалған. Мәселен үлкен канал "арна", одан киширеги "баб" делинеди.

Қарақалпақлар тарийхына өтетуғын болсақ бул жағдай тек ғана хийўалылар ҳәм түркменлер менен емес, Әмиўдәряның төменги алғысындағы қарақалпақларда да ушрасады. Олардың бас кийими болса хорезмлилер менен бирдей болған "қара - қалпақ"

Екиншиден бүгинги күнде ноғайлар Ҳажытарханда ҳәм Арқа Кавказда жасайды. Олардың бас кийими де "қара - қалпақ", бул үрдис кейинги дәўирде өзгере баслады. Будан 20-25-жыл алдын олардың бас кийимлери хийўалылар ҳәм қарақалпақлардики менен бирдей болған болса, ҳәзир тек қарағаш ноғайларында сақланған.

Егер бул "қарақалпақ" бас кийими әййемги Хорезм цивилизациясы тийкаршылары тәрепинен жаратылған болса, ол ноғай ҳәм қарақалпақларға қалай жетип келген? Яки жоқары айтылған халық менен бирге ме? Хорезм мәдениятын жаратқанлар кимлер?

Бизиңше бул қарақалпақ, ноғай, түркмен, хорезм-өзбеклери ушын орталық миллий кийим. Қай жерде көпшилик болса сол жерде жақсырақ сақлаған. Мәселен Орта Азияның Самарқанд, Ферғана сыяқлы аймақларындағы қарақалпақлар ҳәм түркменлерде бундай бас кийим жоқ. Оның орнында "кийиз қалпақ" яки "сәлле" бар.

Енди "арна", "баб" сыяқлы суўғарыў дийханшылық пенен байланыслы атамаларға өтсек, олардың түркий халықларға тийисли екени мәлим болады. Хорезм-өзбеклери, түркменлер, қарақалпақлар бунда тек арна ҳәм баб емес, "салма", "тартма" киби атамаларды да қоллайды.

Олардың парқы арна ҳәм баб үлкен каналлар ушын, кишилерине салма, тартма делинеди, ең қызық жери бул атамалар басқа түрк халықларында жоқ.

Дерек: Академия Наук Республики Татарстан Институт Языка, Литературы и Искусства имени Г: Ибрагимова. У Истоков Узбекской Историографии
Взгляд татарских учёных Г. Губайдуллина и Б. Салиева. Казань, 2021

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

12 Nov, 07:07


Печенеглердиң қурал-жарақлары.
Эрмитаж музейи

каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

09 Nov, 15:19


Неҳжү'л-Ферәдис (نهج الفراديس)

Исламның түрк әдебиятында қырық ҳәдис қатарларында санап өтилген "Неҳжү'л-Ферәдис" нәсият сөзлерге тийкарланған шығарма есапланады.

Изертлеўлерге қарағанда шығарманың түп нусқасы Кердерли Махмуд ибн Али тәрепинен түрки тилинде Хорезмде 1360-жыллардан алдын жазылған.

Китаптың түп нусқасы сақланбаған болса да оның көширмелери бизге шекем жетип келген, шығарма туўралы терең изертлеўлерди Ахмед Заки Валиди Тоган алып барған.
Шығарма Хорезмде жазылған "Кисасүл-Энбия" "Мүинүл-Мүрид" және "Муҳаббатнама" сыяқлы шығармалар менен теңдей қунлылыққа ийе.

Китапты онлине оқыў ушын силтеме:
<iframe src="https://archive.org/embed/Nehcl-FeradisTpkbasm" width="560" height="384" frameborder="0" webkitallowfullscreen="true" mozallowfullscreen="true" allowfullscreen></iframe>

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

07 Nov, 11:15


Хийўа ханлығы ләшкери тәрепинен қолланылған топлар.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

04 Nov, 18:22


#Тарийхый_естеликлер

Караван сарай Белеули в 1950 г. Во время экспедиции. (Из книга И.А. Аржанцевой "ХОРЕЗМ ИСТОРИЯ ОТКРЫТИЙ И ИССЛЕДОВАНИЙ ПО МАТЕРИАЛАМ АРХИВА ХОРЕЗМСКОЙ ЭКСПЕДИЦИИ")

Толық мағлыўматлар:👇
1). https://t.me/Tariyxqa_nazer/1929
2). https://t.me/Tariyxqa_nazer/1930
3). https://t.me/Tariyxqa_nazer/1931
4). https://t.me/Tariyxqa_nazer/1934
5). https://t.me/Tariyxqa_nazer/1935

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

29 Oct, 08:04


Тарийхта Маңғыт Журты мырзасы уллы бий Муса дала сыясатында көп шетискенликлери менен белгили. Ол Ибактың Сибир ханы болыўға көмеклескен, Абулхайр Улысын қулатыўда искерлик еткен, Арабшахийлер Улысын өз тәсир шеңберине алған, Ибакхан менен бирге Тахт Ел ханы Ахмедти өлтирген. Муса бийдиң тәсири Ҳажытархан, Қазан, Хорезмде де болған.
Бирақ Муса бий айбынатуғын бир ханлық бар еди. Муса бий ол ханлыққа хат жоллағанда, ол елдиң ханы Мусаның орны хан тахтының астында бийлердиң орны сонда екенин айтады.
Сораў бул қай ханлық?

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

28 Oct, 08:26


Jivopis: "Қара үйди жыйнаў"
Авторы: Иля (Рувим) Мазел
Дерек: Игор Витальевич Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи интернет блоги.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

28 Oct, 06:49


Орта Азиядағы көшпели мәдениятлы елатлардың қара үй үлгилери.

Евразияның көшпели халықлары ерте дәўирден қара үйлерде жасаған, олар қонысларын жий аўмастырғаны ушын тез қурылатын ҳәм тез жийналатуғын үйлер керек болған.

Орта Азиядағы қара үйлер Сибир, шығыс жақлардағы түрки ҳәм моңғол үйлеринен бийиклиги менен ажралып турады. Шығыс аймақларда ашық далаңлық болғанлықтан онда күшли самалға қарсы турыў ушын қара үйлер пәскелтең етип соғылады.
Орта Азиядағы қара үйлер әсиресе қарақалпақ ҳәм түркмен қара үйлери бийик шаңарағы әдеўир жоқары болады. Қазақларда болса ири урыўлардың қара үй үлгилери ҳәм шаңарақлары бир-биринен өзгешеленеди.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

21 Oct, 16:01


Камал Мамбетовтың "Посқан Ел" романы.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

19 Oct, 13:59


Jasalma intellekt endi "QARAQALPAQSHA" sóyleydi!

ChatGPT hám basqada jasalma intellektler rawajlanıp baratırǵan búgingi kúnde, qaraqalpaq tilide usınday aqıllı sistemalarǵa qashan qosılar eken degen soraw kimdi bolsada oylandırǵanı sózsiz. Quwanıshlı jańalıq! Jaqında Qaraqalpaq tili dúnyada birinshi ret Claude atlı jasalma intellekt modeline qosıldı. Endigiden bılay, qaraqalpaq tilinde sorawlar berip, qaraqalpasha juwaplar alıwǵa boladı. Hátte qálegen tildegi tekstti qaraqalpaq tiline awdarıw imkaniyatı qosıldı.

Qaraqalpaqsha jasalma intellektlerden paydalanıw:
1. https://claude.ai/
2. https://www.notion.so/
3. https://poe.com/Claude-3.5-Sonnet
4. https://app.myshell.ai/ (Claude-3.5-Sonnet) saytları arqalı paydalanıw imkaniyatı bar.

Bul jasalma intellektler (chatbotlar) “Claude-3.5-Sonnet” modelin qollaydı. Sonlıqtan usılar arqalı paydalanıwǵa boladı. Mısalı, qaraqalpaqsha gúrriń, esse, qosıqlar jazıp bere aladı. Programmalastırıw tilinde programma jazıp bere aladı.

Qaraqalpaq tiline tekstlerdi awdarıw
Sonday-aq qálegen tildegi tekstti qaraqalpaq tiline awdarıw imkaniyatına iye.
Mısalı, tómendegishe soraw jazsaq boladı.
Inglis tilindegi tekstti qaraqalpaq tiline awdar: “Tesla, Inc is an American multinational automotive and clean energy company.”

Bul tekstti qaraqalpaq tiline awdarıp beredi. Esletip ótemiz, tekst kólemi 1 yamasa 1 betten shamalı kóplew bolıwı kerek. Sebebi barlıq jasalma intellektler 5000 simvolǵa shekem sorawlardı qabıllaydı.

Esletpe
Bul jasalma intellektler qaraqalpaq tilinde sapalı juwap beriwi ushın, sizde tekstti orfografiyalıq qátesiz, qaraqalpaqsha alfavitte jazıwıńız kerek. Keri jaǵdayda sizge shala yamasa qazaqsha aralas juwap jazıwı múmkin. Sebebi qaraqalpaq tili qazaq tiline júdá jaqın. Mısalı ChatGPT qaraqalpaq tilin til modeline qosqanı menen házirgi waqıtqa shekem qaraqalpaqsha juwaplardı qazaqsha menen araslastırıp beredi. Sonlıqtan imla qaǵıydalarına sáykes durıs jazıw maqsetke muwapıq.

Paydalanıw ushın video qollanba:
https://youtu.be/EmsRbXyi4RM

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

18 Oct, 21:15


"Китаб ал-идрак ли-лисан ал-атрак" аўдармасы: түрклердиң тилин түсиниў китабы.

Мысырдағы мамлук-қыпшақ тили ҳәм басқа да түрки тиллери бойынша китап.

Китап Абу Ҳайян тәрепинен араб тилинде 1312-жылы Каҳира қаласында жазып жуўмақлаған. Бирақ китаптың түп нусқасы сақланып қалынбаған, тек көширме нусқалары Оспанлыда сақланып қалынған.

Китаптағы айрым сөзлер бүгинги күнде де өзгериссиз қарақалпақ тилинде сақланып қалынған: алды, барды, орта, дүзүм, илинди, өлди, кирди, қалын, қаплады, қатық, қатты, салды, тана, тоқсан, үзди, ярым.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

16 Oct, 18:27


Камал Мамбетовтың "Посқан Ел" китабы, 1988-жыл.

Елмураттың Ысмайыл бийге сөзи:

Айланып аққан Ақ Жайық
Ат салмай өтер күн қайда
Есиги бийик боз Орда
Еңкеймей кирер күн қайда
Қара булан терисин
Етик қылар күн қайда
Гуларыдан баў тағып
Гиреўке кийер күн қайда
Гүлдир-гүлдир киснетип
Алты қулаш ақ найза
Шөкелеп шаншар күн қайда
Сабақ толы сансыз оқ
Сабағынан өткерип
Басын қолға жеткерип
Созып тартар күн қайда
Кетбуғадай бийлерден
Кеңес сорар күн қайда
Едилдиң бойын ел жайлап
Шылғыңыңа ат байлап
Боз орданың төринде
Қыз баланың қолынан
Қымыз ишер күн қайда

https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

11 Oct, 16:13


Қарақалпақлар Ташкентте яки Қоқан ханлығындағы қарақалпақлар.

Қоқан ханлығында халық жасаў салтына қарай еки бөлектен турған, отырықшы ҳәм көшпели, көшпели елатлар улыўмаластырылып илатийя бир де аймаклийя делинген, бул аталған көшпели яки жартылай көшпели елатлар арасында қыпшақлар, қырғызлар, түрклер, қарақалпақлар, чон-бағышлар ҳәм қалмақлар болған.
Ташкент ўалаяты ҳәм Қурамада жасайтуғын елатлар сарт, тәжик ҳәм анды, көшпели ҳәм жартылай көшпели қазақ ҳәм қурамалар "барлық қазақлар" ҳәм "барлық андылар" деп айтылған, соған сай түрде "алты сан алаш" ҳәм "төрт сан анды" делинген. Шыназ аймағында болса қарақалпақлар жасаған.


"Та'рих-и Сигари" шығармасында Самарқанд дөгерегиндеги қарақалпақлар Қоқан ҳүкимдары Ерданабий дәўиринде (1750-1760) Ферғанаға көширип алып кетилгени айтылады.
Қоқан дереклеринде көп болмаса да қарақалпақлардың Ферғана ҳәм оған тутас аймақлардағы сыясый ҳәрекетлердеги белсендилигин тилге алынады.

Солай етип қарақалпақлар Ташкент ҳүкимдары Юнисхожаның 1805-жылғы Ферғанаға еткен әскерий жүрисинде қатнасқан.

Қарақалпақлар 1844-жылы Ферғана қыпшақлары менен бирге орайлық ҳәкимиятқа қарсы бас көтерген.

Қарақалпақ Арысланбек дадқаның улы Ташкентли Пазылбек мыңбасы тутқынға түсип Бухарада өлимге ҳүким етилгенге шекем бир жылға шамалас ўақыт даўамында Қоқан ханлығындағы ең жоқары әскерий административ лаўазымды ийелеп турған.

Қубла Қазақстан аймағындағы 1858-жылғы көтерилисте қарақалпақлар да қатнасқан.

Қоқанда 1862-1863-жылларда ишки соқлығысыўлар дәўиринде Худаярхан бир тәрепте Ферғанадағы көшпелилер басшылары, екинши тәрепте Ташкентли жетекши Шадманхожа мыңбасының қарақалпақ отряды (мүмкин Ташкентли қарақалпақлар) менен гүрескен.

Ферғанада 1823-жылы болған жер силкиниўинде жәбир көрген мәдений естеликлер қатарындағы Шахымардандағы қарақалпақ үйлери (газаха-йи каракалпак) атап өтилген.

Қоқан ҳүжжетлериндеги лаўазымлы қарақалпақлар:

Арысланбек Дадқа.
Пазылбек дадқа, дастурханшы, ҳәм Ташкент мыңбасысы (1804-1857).
Зулфиқарбек (1*** - 1839).
Оның улы (1856-1857).

Дерек: Т.К Бейсембиев. Кокандская Историография, исследование источниковедению Средней Азии XVIII-XIX веков. Алматы. 2009.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

10 Oct, 08:48


Қарақалпақстан тарийхы 2016-жыл.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

05 Oct, 08:05


#Тарийхый_орынлар

Базар қала

Базар қала (эрамызға шекемги VI-V əсирлер - эрамызға шекемги 1-əсирлер) архаийк дəўирде пайда болған ҳəм Кушонлар дəуирине шекем жасаған болған. Әййемде қала Базаркалин каналы суўы менен суўғарылатуғын ири аўыл хожалығы районының орайы болған.
Қорғанның арқа -батыс мүйешинде төртмүйеш формасындағы қорған жақсы сақланған. Ол ярым сүйри-сопақ минарлы қос дийўал менен оралған еди.
Қалада халықтың санаат искерлиги қалдықлары табылған.


Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

28 Sep, 12:21


#Тарийхый_сүўрет

Уршық ислеп атырған усталар. Өткен әсирдиң 20-жыллары. Халқабад базары.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

27 Sep, 03:01


Төменги Сырдәрия ҳәм төменги Әмиўдәря аралығы тарийхы.

Тарийхшы археолог С.П.Толстовтың "По древним дельтам Окса и Яксарта" (1962) китабындағы 72-суўрет тийкарында исленди.

Әййемги дәўирлерде Жаңадәрия ҳәм Қуўандәрия аралығында ҳәр түрли көшпели қәўимлер жасаған, ҳәм Жетыасар мәдениятын пайда еткен, ўақыт өтиўи менен бул жердеги сак-скиф қәўимлери үстине шығыстан тохар, хун, хионит, ефтал, каң қәўимлери келип араласқан. Кейинги дәўирдеги Әмиўдәря бойындағы Кердер мәденияты Жетыасар мәдениятының даўамшысы есапланады.

Орта әсирлерде Хорезмшахлар, Моңғоллар (Алтын Орда) дәўиринде бул жерде жаңа қурылыс ислери алып барылған. Бирақ 15-16-әсирлерге келип Жаңадәрия ҳәм Қуўандәрия бойлары қурғап босап қалған.

18-әсир орталарында болса Сырдәрияның суўы молайып Жаңадәрияға көп суў келиўи себебинен суў тасқынлары бақланған, суўдың пәти Белтаў ҳәм Дәўқараға шекем жеткен.
Бул жағдайлар Сырдәрия қарақалпақларының Жаңадәрия бойына келип орналасыўын күшейткен.


Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer