Сахибжамал Сырғабаева @ssirgabaeva Channel on Telegram

Сахибжамал Сырғабаева

@ssirgabaeva


📍АВТОРЛЫҚ ҚОСЫҚЛАР.
🚫Автор рухсатысыз қосықларды атқарыў қадаған.
🖇️2022-жыл Республикалық жас дөретиўшилер семинары қатнасыўшысы

Сахибжамал Сырғабаева (Kazakh)

📍Сахибжамал Сырғабаева телеграммасы - авторлық қосықтар және 2022-жыл Республикалық жас дөретиўшилер семинары катнасышы туралы ақпаратты маңызды біріктіретін канал. Сахибжамал Сырғабаева атқарылатын авторлық қосықтар көп жағдайларда оқырманға және сабаққа арналған жазбалардың жиынымен танымдалады. Бұл канал 2022-жыл Республикалық жас дөретиўшилер семинарына катнасышы туралы ақпарат береді. Каналда автор рухсатысыз қосықтарды атқаруға орналастырылмайды, сондықтан сағана арнап отыруға ыңғайлы сақталады. Сахибжамал Сырғабаева телеграмма каналы үлгісі бойынша 2022-жыл Республикалық жас дөретиўшилер семинарына катысушылар туралы маңызды ақпаратты жинауды.

Сахибжамал Сырғабаева

08 Jan, 14:33


«Талантлылар мектеби»не мәрҳамат!

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы биргеликте жаңа «Талантлылар мектеби» жойбарын жолға қоймақта.

Жойбар шеңберинде белгили шайыр-жазыўшылар тәрепинен шеберлик сабақлары өтиледи. Жас қәлем ийелериниң дөретпелери тыңланып, жол-жоба бериледи.

Жойбар шеңбериндеги бундай семинарлар ҳәр ай сайын бир мәрте болып өтиўи режелестирилген.

Жойбардың дәслепки семинары 9-январь күни саат 11:00де болып өтеди.

Әдебиятқа ықлас қойған бәршени «Талантлылар мектеби»нде күтип қаламыз.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Жаслар орайы.

Сахибжамал Сырғабаева

06 Jan, 09:56


Қарақалпақстан халық художниги
Барлықбай Айтмуратов дүньядан өтти…


Ҳәр көргенде қолымнан қысып “Бабам-аў” деп туратуғын , аз санлы жақсылар ишинде исенетуғын ҳақыйқый Қарақалпақ ,ҳақыйқый Аға едиң…
Тулғаларды әўладларға таныстырып кеткениң ушын рахмет. Бизден разы бол, терең қайғыдаман Аға.

***
Жер бетине жараспай жақты,
Таң думанлы ,гүманлы атты…
Әжел таңлап биймезгил ўақты
Бир талантты алды да кетти…

Бояўы сиңбеген сүўрет,
Қыйнайды руўҳымды тергеп.
Батырлар майданы хүўлеп
Қарақалпағың қалды да кетти…

С.Сырғабаева

Сахибжамал Сырғабаева

14 Dec, 09:39


#поэзия

Сахыбжамал Сырғабаеваға жуўап

Таўға алаңлап, кесекке сүриндик...
Ҳаққа ақ, наҳаққа жаман көриндик.
"Әй" дейтуғын әжелерден әрман жоқ..,
"Қой" дейтуғын хожа таппай бүлиндик..!

Азаны той, мәжилисти байрам қылдық..,
Бир саналы жыласа, ҳайран күлдик.
Шайырлардың еки өмири бар болса,
Көп аманат өмирди ўайран қылдық..!!

Ким байлаған?! Суў келмейди сағадан!
Маңлайымыз ашылмай жүр ағадан!!!
Ийтлер жаман қаўып турған етектен,
Жаўлар ҳеш гәп алып турған жағадан.

Әзелден де биз булай ахмақпедик?!
"Шай үсти" поэзияны "Тақмақ" дедик...
Қара жерин жай "Қара" демесек де,
Таўып алып, ақ жерин "Аппақ" дедик.

Қашан келеди бул ислер оңынан!?
Бағып көрермиз соқырдың соңынан!

Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 14.XII.2024

@Poeziya_Abdirashit

Сахибжамал Сырғабаева

14 Dec, 07:48


Байрамың мүбәрек Қарақалпағым.

Сахибжамал Сырғабаева

09 Dec, 20:17


Әбдурашид Исмайылов пенен сырласыў


Урыс майданында жаўынгер соңғы,
Арын сақлаў ушын жан берип тынды.
Бизлер жаназаға қатнасып жүрмиз,
Қаңыраған майдан мәртлерсиз енди…
Қайтып шықпас болып жулдызлар сөнди,
Ҳәмме көрмегендей көзлерин жумды.
Арнаў қосықларға ыққан поэзия
Қашшан Ибрайымды шырлатып көмди.
Бар еди, барлығын жоқ етип болды,
Ертең тулға тутар әўладлар кимди?!
Қызық, өлтиргенлер сотланбаймекен?!
Кеше Рахманов, бүгин Төлек өлди…


Өзиң айт, Қарақум ийшанның төли
Қалай басып жүриппиз қара жерди?!

С.Сырғабаева

@Ssirgabaeva

Сахибжамал Сырғабаева

05 Dec, 22:14


***
Айбаты жоқ не көринген таўларға,
Сана кемис , ақыл еси саўларға…
Сөз демей-ақ сырын берген жаўларға,
Арысланның ақырғандай үни жоқ.

Сыбырласып сығалайды көзлери,
Ата душпан өзлерине өзлери,
Марапаттан исип кеткен жүзлери,
Батырлардың жүрегиниң түги жоқ…

Шайыры бар… дәўири жоқ көз илген
Шайыры бар… хәўири көп сөзинен
Талантсыздың көкрегине дизилген
Ялғаншы-ай, бирин тапсаң бири жоқ…!

С.Сырғабаева

@Ssirgabaeva

#сөзбәндиргиси

Сахибжамал Сырғабаева

02 Dec, 22:04


Ҳәси кетпе!

Мәнгилик жоқ!- мына аспан астында,
Қәбириңе қойып қайтар достыңда.
Ҳеш кимге ийилмеген кербаз басың,
Ширип кетер қара жердиң астында…

Сен өлесең, өзгермейди дүньялар,
Туўысқаның журт көзинше қыйналар,
Ҳеш ким саған жолдас болып бармайды,
Топрағыңды сырт бетинен сыйпалар.

Әжел келсе алып қалар дейсеңбе?!
Қалып кетер, жаннан артық сүйсеңде.
Ақ таўарға оранып-ақ кетерсең,
Тириликте ең қымбатын кийсеңде.

Ҳәси кетпе!

С.Сырғабаева

@SSirgabaeva

Сахибжамал Сырғабаева

26 Nov, 12:30


Кеширесизлер 🤦🏼‍♀️

Сахибжамал Сырғабаева

26 Nov, 11:53


#мүнәсибет

Әжиниязды Жуманияз дегенде үндемеп едим, сөгинип қоятуғынымды билип.

1) "Plat books" емес "Plato books"
2) "Экзюпер" емес "Экзюпери"
3) "Қара шаҳзада"ға улыўма гәп жоқ. Еле де "Қара рицар" демегени

Китап оқың, берекет тапқырлар, китап. "Кишкене шаҳзада" өзи кип-киттай китап, бир отырыста жутып жибересең.

@Poeziya_Abdirashit

Сахибжамал Сырғабаева

18 Nov, 11:54


Менде бир бийқайғы заман болмады
Әжинияз Қосыбай улы

“Ағам барда, арқам тамда” деген-ем,
Жаздырмады тобығымды шегеден.
Талант емес “блогер”лерди шақырған,
Кешир шайыр! Қутлы болсын мерекең.

С.Сырғабаева

Сахибжамал Сырғабаева

03 Nov, 07:23


Сен сағыныш нелигин билесеңбе?
Жүрегим шыдамай жүр гүресиўге.
Өзим жерде үнсиз турғаным менен,
Бир әрман бар руўхымның еңсесинде.
Ишимдеги қызғаныш от есиўде,
Өзимди де қыйнайман есесине.
Жас қызға тәғдир де салғанба қастын
Барлық жолым кетип жүр кесесине.
Мәйли, шырмалып турмыс тәшўишине
-,Сүйгениңнен тансаңда ел ишинде,
Сенсиз мухаббет сөз болған жерде,
Бахыт бола алмайман мен хешкимге.
Ешейин сезим берип елесиңе,
Бәрин салдым ўақыттың кемесине.
Өзиңнен өзгеге жибермей қойған,
Сол сағыныш нелигин билесеңбе?!

С.Сырғабаева
#сөзбәндиргиси

Сахибжамал Сырғабаева

13 Oct, 15:09


🖤

Қызық еди, ышқы пасылы,
Ўәделестик! Антлар ишилди.
Писент етпей, сезим жасыңды,
Қыялларда әрман пишилди.
Бийик туттым кеўил талғамын,
-жаслық етип тапқан шешимди.
Мениң "мухаббат"-деп барғаным,
"Антың липас киби шешилди..."
Енди еситпейсең даўсымды,
Қәлбим ашықлықтан сескенди.
Солай жаным,
бәри таўсылды!
Енди, сүйгим келмес ҳеш кимди...
С.Сырғабаева

@SSirgabaeva

Сахибжамал Сырғабаева

01 Oct, 17:41


Соңғы ўақлары бир-биримизди тирилей жойтып атырмыз. Мени көп сынамаң. Кеўил деген сол екен…

Сахибжамал Сырғабаева

19 Sep, 14:26


Мениң исим жоқ! -бул дүнья менен,
Көзлер жалынсыз, сезимлер өлген.
Бир өмир баслап мухаббет пенен,
Бәри таўсылған жерде…
Сен келдиң!

С.Сырғабаева
#сөзбәндиргиси

Сахибжамал Сырғабаева

15 Sep, 21:41


Ерке қызыңыз еркелеп жүрип-ақ есейип қалыпты…
Өмир деген я?! Кеше емеспеди? бүгин 5 ке шықтың,16-сентябрь сениң туўылған күниң-деп анам биринши мәрте үлкен адамлардай етип қутлықлағаны... Бүгин Аллаға шүкир 5 жастың 5есесин басып өттик. Бирақ Анам қутлықламады…
Азанда әуле басқа барып бираз төгилгип қалдым. Ерке кеўил дә жетимсиреп қала береди.
Ал, сизлердиң жыллы сөзлериңиз маған бәрхә қанат болды.
Бәриңизге рахмет!

Сахибжамал Сырғабаева

09 Sep, 16:36


Ай, Муқағали қандай бахытлысаң?!
Сени бәри талағанда,
Баўыржандай ағаң болды…

#қосық авторы Муқағали Мақатаев. Қазақ қахарманы Баўыржан Момыш улына арнап жазылған.

Сахибжамал Сырғабаева

05 Sep, 11:04


…Етек жасын толтырып турсын
Инанбайман, көзлерге Ана.
Кешеғана жан деген достым,
Дүнья ушын өзгерген Ана!

Өмир екен саўдалы базар,
Санасыўды үйренген Ана.
Мениң ушын бир тыйын олар,
(Мал достыма күймеймен, Ана!)

С.Сырғабаева

@SSirgabaeva

Сахибжамал Сырғабаева

27 Aug, 12:52


Мениң исим жоқ! -бул дүнья менен,
Көзлер жалынсыз, сезимлер өлген.
Бир өмир баслап мухаббет пенен,
Бәри таўсылған жерде…
Сен келдиң!

С.Сырғабаева
#сөзбәндиргиси

Сахибжамал Сырғабаева

11 Aug, 17:30


Қызғалдақтай қулпырған қарағым,
Қызы едиң кең жазық даланың.
Еркелигиң жарасқан үйиңнен,
Өз үйиңе апарар әрманың…
С.Сырғабаева


(Мен тойға шықпайман!
Бул қосық бүгин елдиң мақтанышлы баласы, әпсана баласы Еркинбай Қутыбаевтың қызы Бийбигүлдиң узатыў тойында оқылды)

Сахибжамал Сырғабаева

08 Aug, 12:28


#ПРЕМЬЕРА

#АРАЛЫМ_МЕНИҢ Моноопера 🎼🎹🎼

🎭 Ҳүрметли театр ықласбентлери! Сизлерди 2024-жыл 12-август күни саат 17:00де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры устаз композитор, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен кѳркем ѳнер ғайраткери Қ.Заретдиновтың "АРАЛЫМ МЕНИҢ" монооперасының премьерасына мирәт етеди. Либретто авторы Ѳзбекстан қаҳарманы, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсупов.

Сахналастырған режиссёр Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист М.Усенов.
Сахналастырған художник Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери З.Саипов.
Костьюмлар бойынша художник Б.Серекеев.


Театрдың мәлимлеме хызмети.

✉️ 👉
@Krteatr,

🌐 👉
https://berdax-teatr.uz/

Сахибжамал Сырғабаева

07 Aug, 08:56


Қуяшлы Қарақалпақтан
жаўынлы Голландияға таң азанда қуўанышлы хабар жетти.
Саҳибжамал қызымның
жетискенликлерине
дуйым қарақалпақ халқым менен бирге
Сағын екеўмиз тилеклес болып атырмыз.
Қуўанышыңа шерикпиз қызым.
Қарақалпағымның еркин қызы,
ерке қызы - Саҳибжамал!
Аман болғайсаң қызым!
Исенимимиз кәмил,
биз
Саҳибжамал қызым менен заманласпыз деп мақтанып жүретуғын боламыз!

07.08.2024
Утрехт

Сахибжамал Сырғабаева

06 Aug, 12:14


Аллаға шүкир🙏

Сахибжамал Сырғабаева

07 Jul, 17:50


Қазақ ақыны Нурғиса Оразбек қәлемине тийисили. Лирикасы қатты унағаны ушын сизлерге жеткериўди парыз билдим.

Сахибжамал Сырғабаева

29 Jun, 13:45


«Өлең құрау – ақындықтың көп қырының бір түрі.
Тек сол үшін оны ардақтау, жөнсіздеу хәм күлкілі.

М.Шаханов

Сахибжамал Сырғабаева

28 May, 16:52


"Сөз бәндиргиси"

🖌 Сахыпжамал СЫРҒАБАЕВА

💷 китап бахасы 50.000 сум
☎️ байланыс ушын: +998910962397

Сахибжамал Сырғабаева

28 May, 09:23


Өз жүреги қоймастан дүрс-дүрс етип,
Өзгеникин қояды дүрсилдетип.
Қарекеңше қәлб берип сулыўға,
Жаратыпты туўма шайыр қыз етип.

Усындай қызларымыз бары қуўанышлы ҳәм мақтанышлы.
Сахыпжамал Сырғабаеваға талмас пәрўаз тилеймен.
Поэзияның шыңларында көрине бергей.

Ықласбенти Гүлхан Нурымбетова.
27-май. 2024-жыл.

Сахибжамал Сырғабаева

28 May, 08:12


* *
* * *
Қәдирим билсин, билмесин,
Сынайман журттың мен несин?!
Басыңды тик тут Ар-Намыс,
Қой кеўил, ызаң келмесин.
"Сүйди", деп байрақ бермесин.
Айтың, мени де жерлесин!

Күн келип бул: "МӘРТЛИК! - десин,
Басқалар бизди еслесин...!


Бул қатарлар - шайыр қыз Саҳипжамал Сырғабаеваның жүрегиниң дүрсилдиси!

Бул қосық - Саҳиптиң өзи!
Шайырлық КОНЦЕПЦИЯСЫ!!!
👍👍👍👍👍🤝🤝🤝🤝🤝🌷🌸🌼🌹🌺

Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ