Huqıqıy málimleme QR ️️ @huqiqiymalimleme Channel on Telegram

Huqıqıy málimleme QR ️️

@huqiqiymalimleme


Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.

▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot

Huqıqıy málimleme QR (Kazakh)

Қарақалпақстан Республикасының Адиллик министрлигінің "Huqıqıy málimleme QR" каналында қоралған хұқықтық реформалар, нормативтік құқықтар, Президентіміз, Ұкіметіміздің бағытынан қолжетімді нормативтік ұйымдар - бұл каналда көрсетілген болып табылады. "Huqıqıy málimleme QR" каналы Қарақалпақстан Республикасы Адиллик министрлигі тарапынан құрылған жаңартылған хабарламалық тасымалдардың жиынтығы болып табылады. Бұл канал арқылы хұқықтық реформалар мен нормативтік құқықтар туралы маңызды ақпарат алуға болады. Сіз де қатысушысы болып, хабарламаларды жазуға және басқа қызметтерден пайдалануға боладыңыз. Қарақалпақстан Республикасының адалдық мен законды қолдайтын нормативтік ұйымдардың хабарламаларын төмендегі сайттарда табу мүмкін, бірақ "Huqıqıy málimleme QR" каналына қосылып, осы материалдарға тез жүргізіп алуға болады. Сондай-ақ, каналда жиі әділет ақпараттары мен билемнер көрсетіледі. Каналға қосылыңыз және хабарламалардан жағдайсыз тұрыңыз!

Huqıqıy málimleme QR ️️

21 Jan, 13:47


#Билесиз_бе

🔖Президент қарарына көре, 2025-жылы Түркистан жадидшилик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшысы, белгили жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, баспашы ҳәм педагог Маҳмудхожа Беҳбудий туўылғанының 150 жыллығы кеңнен белгилениўи белгиленген.

✍️Сондай-ақ, илажлар бағдарламасы тастыйықланып, онда төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылыўы нәзерде тутылған:

▪️ойшыл жазыўшының "Таңланған шығармалар" топламы, оның өмири ҳәм искерлигине бағышланған илимий-публикалық китапларды баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў;

▪️2025-жыл октябрь айында "Маҳмудхожа Беҳбудий мийрасы ҳәм жадидшилик ҳәрекетин үйрениўдиң әҳмийетли мәселелери" атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция шөлкемлестириў;

▪️2025-жыл ноябрь айында Маҳмудхожа Беҳбудий туўылғанының 150 жыллығына бағышланған салтанатлы әдебий-ағартыўшылық еслеў кешесин өткериў.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

21 Jan, 13:41


#Билесиз_бе

🗓 Нызамшылыққа көре, неке дүзиў некелениўшилердиң пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў уйымларына арза бергенинен соң 1 ай өткеннен кейин, жеке өзлериниң қатнасыўында әмелге асырылады.

🚫 Диний үрп-әдетлерге муўапық дүзилген неке ҳуқықый әҳмийетке ийе емес.

✍️ Үзирли себеплер болған жағдайда пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў уйымы 1 ай өткенге шекем неке дүзиўге рухсат бериўи мүмкин. Айрықша жағдайларда (ҳәмиледарлық, бала туўылыўы, бир тәрептиң кеселлиги ҳәм басқалар) неке арза берилген күни дүзилиўи мүмкин.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

21 Jan, 13:20


#Билесиз_бе

🔰 Ҳүждан еркинлиги - бул пуқаралардың қәлеген динге исеними яки ҳеш қандай динге исенбеўи бойынша кепиллик берилген конституциялық ҳуқықы.

⚠️Пуқара динге, динге исениўге ямаса исенбеўге, ибадатларда, диний үрп-әдет ҳәм мәресимлерде қатнасыўға ямаса қатнаспаўға, диний билим алыўға қарата өз мүнәсибетин белгилеп атырғанда оны ол ямаса бул тәризде мәжбүрлеўге жол қойылмайды.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

21 Jan, 12:12


#Сиз_билесиз_бе

🔰ЖПХ хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықлар процессинде хызметти өтеўдиң өзине тән өзгешеликлери қандай?

🏢Бул сораўға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў сектор баслығы И.Алдабергенов жуўап береди.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

13 Jan, 12:07


#Әмел_етиң

⚡️ ️Нызамшылыққа бола, исбилерменлерди ақша қаржыларын ҳәм басқа да материаллық қымбатлықларды ажыратыўға байланыслы қәўендерликке ҳәм басқа да илажларға мәжбүрий тартқанлық ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленген.

❗️Нызамды билмеў жуўапкершиликтен азат етпейди...

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

13 Jan, 11:58


#Жол_қағыйдаларына_әмел_ етиң

🚫 Айдаўшыға транспорт қуралын спиртли ишимликлер, нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары, психотроп ямаса күшли тәсир етиўши затлар тәсиринде ямаса басқа да түрде мәс ҳалда, сезгирлик ҳәм итибарды пәсейтетуғын дәри-дәрмақлар тәсиринде, жол ҳәрекети қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын шаршағанлық ҳәм кеселлик жағдайында басқарыў қадаған етиледи.

⚠️ Онда айдаўшылардың транспорт қуралларын алкоголь ишимлигинде, нәшебентлик зат тәсиринде ямаса басқа да түрде мәс ҳалда басқарғаны транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан 1 жыл 6 айдан 3 жылға шекемги мүддетке айырыўға, БЕМның 25 есеси (9 млн 375 мың сўм) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

13 Jan, 11:47


#Билесиз_бе

🔍 Нызамшылыққа бола, жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды анықлаў, альтернатив жайластырыў түрлерине жибериў ҳәм олардың есабын жүргизиў тәртибине муўапық есапқа алынғанда төмендегилер перзентликке алынады:

🔹Ата-анасы қайтыс болган;

🔹Ата-анасы ата-аналық ҳуқықынан айырылған;

🔹ата-анасы суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған;

🔹Ата-аналары балаларды тәрбиялаўдан яки олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўдан бас тартқан;

🔹ата-анасы бир жылдан артық мүддет даўамында балалар мәкемелеринде яки медициналық мәкемелердеги перзентинен узирли себеплерсиз хабар алмаған;

🔹Ата-анасы тәрбия, емлеў мәкемелеринен, халықты социаллық қорғаў мәкемелеринен ҳәм басқа да мәкемелерден перзентин алыўдан бас тартқан;

🔹Ата-анасы бийдәрек жоғалған яки қайтыс болған деп жәрияланған балалар.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

13 Jan, 10:22


#Әдиллик_хабары

📽 Әдиллик министрлиги тәрепинен халықты қыйнап киятырған машқалалар ҳәм ең көп берилип атырған сораўлардың ҳуқықый шешимлери бойынша арнаўлы видеороликлер ислеп шығылып, YouTube тармағына жайластырылып барылмақта.

❗️ Онда Сиз "метрика" алыўдан баслап пенсияға шығыўға шекемги процесслерде дус келип атырған машқалаларыңызға тематикалық тәризде ҳуқықый шешим табыўыңыз мүмкин.

📌 Өз ўақтыныздан үнемли пайдаланып ҳуқықый билимлериңизди беккемлең!

👉 Толық: https://youtube.com/adliya

https://www.youtube.com/@QR_Adillikministrligi/featured

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

13 Jan, 06:31


#Билесиз_бе

🔰 Нызамшылыққа бола, төмендегилер Балалар үйине қабыл етиледи:

🔹 жетим балалар;

🔹 ата-ана қарамағынан айырылған төмендеги балалар:

▫️ата-аналары қайтыс болған, ата-аналар ата-аналық ҳуқықларынан айырылған яки ата-аналық ҳуқықлары шекленген, ата-аналар қарым-қатнасқа уқыпсыз деп табылған, ата-аналарда аўыр кеселликлер анықланған, ата-аналар узақ мүддет (6 айдан аслам) болмаған жағдайларда, соның ишинде ата-аналар өз балаларын медицина мәкемелеринен алыўдан бас тартқан жағдайларда, сондай-ақ, ата-ана қарамағы болмаған басқа жағдайларда;

▫️таўып алынган балалар;

▫️ қалдырып кетилген балалар;

🔹Ата-аналар разылығы менен ҳәм ата-аналары бар болыўына қарамастан өзине-өзи хызмет көрсетиў имканияты болмағаны себепли турақлы түрде жеке тәртиптеги күтимге мүтәж психологиялық раўажланыўы бузылған балалар.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

13 Jan, 04:14


🔽Дыққат

❗️Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң қысқа ҳәм анық түрдеги мазмун-мәнисиниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы исенимли дереги - Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң — Huqıqıy málimleme QR каналы арқалы танысып барыўыңызға болады.

Соның менен бирге,
✔️“Сораў бериң жуўап беремиз”;
✔️“Билесиз бе?” хеш теги менен халқымыз ушын керекли болған ҳуқықый сораў-жуўаплар;
✔️пуқараларға нызамшылық ҳүжжетлери менен жаратылған жеңилликлер;
✔️зәрүр болған ҳуқықый мағлыўматлар;
✔️инфографикалар;
✔️роликлер менен танысып барыўыңыз мүмкин.

Каналымызды бақлап, ҳәр күни ҳуқықый жаңалықлардан биринши болып хабардар болып, ѳз ўақтында билип, ең керекли мағлыўматларға ийе болың. Ҳәр бир жаңалық сиз ҳәм жақынларыңыз ушын пайдалы болады!

Каналға ағза болыў👉https://t.me/huqiqiymalimleme

🔽Нызамды билмеў жуўапкершиликтен азат етпейди...

📱 Telegram | 📱 Facebook |📱 Telegram |📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

10 Jan, 11:52


#Билесиз_бе

Нызамшылыққа бола, ҳәрекетке уқыплы Өзбекстан пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық жетим балалар ҳәм ата-анасы қарамағынан айырылған балаларды альтернатив жайластырыў формаларына алыў бойынша талабан болыўы мүмкин.

🔍 Талабанларды таңлаў, бақлаў ҳәм мониторинг етиў Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң район (қала)лардағы "Инсан" социаллық хызметлер орайы тәрепинен әмелге асырылады.

📢Ўәкилликли уйым талабанлардан арза қабыл етилиўине шекем оларға баланы тәрбияға алыў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер, сондай-ақ, оларға альтернатив жайластырыў түрлери, олардың ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери, баланың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери, баланы шаңараққа қабыл етиўдиң ҳуқықый ақыбетлери ҳаққында мәлимлеме береди.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

10 Jan, 09:07


#Сиз_билесиз_бе

💬Жол ҳәрекети қатнасыўшылары ЖПХ хызметкерлери менен өз-ара қатнасықларда қандай ҳуқықларға ийе?

❗️Бул сораўға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў сектор баслығы И.Алдабергенов жуўап береди.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

10 Jan, 07:54


#Билесизбе

Билесиз бе: Бағыўшысы қайтыс болғанлығы мүнәсибети менен жеткизилген зыян қапланады

❗️Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги режелестириў-қадағалаў таллаў секторы баслығы И. Алдабергенов мағлыўмат береди.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

10 Jan, 04:09


🔽Дыққат

❗️Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң қысқа ҳәм анық түрдеги мазмун-мәнисиниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы исенимли дереги - Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң — Huqıqıy málimleme QR каналы арқалы танысып барыўыңызға болады.

Соның менен бирге,
✔️“Сораў бериң жуўап беремиз”;
✔️“Билесиз бе?” хеш теги менен халқымыз ушын керекли болған ҳуқықый сораў-жуўаплар;
✔️пуқараларға нызамшылық ҳүжжетлери менен жаратылған жеңилликлер;
✔️зәрүр болған ҳуқықый мағлыўматлар;
✔️инфографикалар;
✔️роликлер менен танысып барыўыңыз мүмкин.

Каналымызды бақлап, ҳәр күни ҳуқықый жаңалықлардан биринши болып хабардар болып, ѳз ўақтында билип, ең керекли мағлыўматларға ийе болың. Ҳәр бир жаңалық сиз ҳәм жақынларыңыз ушын пайдалы болады!

Каналға ағза болыў👉https://t.me/huqiqiymalimleme

🔽Нызамды билмеў жуўапкершиликтен азат етпейди...

📱 Telegram | 📱 Facebook |📱 Telegram |📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

09 Jan, 11:06


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Ҳүкимет қарары (2-санлы, 06.01.2025-ж.) менен "Жарылыў қәўпи бар орталықларда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелердиң қәўипсизлиги ҳаққындағы техникалық регламент" тастыйықланды

🔰Оған бола, техникалық регламент инсан өмири ҳәм денсаўлығын, мүлкин ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тутыныўшыларды алжастыратуғын ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде жарылыў қәўпи бар орталықта Өзбекстан аймағында қолланылыўы ҳәм орынланыўы мәжбүрий болған бирден-бир талапларды белгилейди.

📜Техникалық регламент талаплары жарылыў қәўипли орталықларда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелердиң белгиленген дизимине қолланылады.

✔️ Үскенелер жарылыў қәўипи бойинша қәўипсиз ислеў ҳәм пайдаланыў ушин зәрүр болган төмендеги талапларга жуўап бериўи керек:

🔹 әсбап-үскенелерден жаныўшы затлардың шығыўы нәтийжесинде жүзеге келиўи мүмкин болган жарылыў орталығының пайда болыўына жол қоймаў;

🔹жарылыў жүз беретуғын ҳәр бир деректиң өзгешелигин есапқа алып, жарылыў орталығының жарылыўының алдын алыў;

🔹 әсбап-үскенелердиң қолланылыў тараўына қарап, жарылыў қәўипли орталықларда ислетилетуғын әсбап-үскенелердиң жарылыў қәўипсизлигин белгилеўши көрсеткишлер классификациясына.

📌Техникалық регламент рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 ай өткеннен кейин әмелге енгизиледи.

📱 Telegram | 📱 Facebook
📱 Telegram | 📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

08 Jan, 08:13


#Билесизбе

"Мийнет дем алысы"н басқа ўақытқа көшириўге болады ма?

🏢Бул сораўға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов жуўап береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR ️️

08 Jan, 05:27


🔽Дыққат

❗️Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң қысқа ҳәм анық түрдеги мазмун-мәнисиниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы исенимли дереги - Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң — Huqıqıy málimleme QR каналы арқалы танысып барыўыңызға болады.

Соның менен бирге,
✔️“Сораў бериң жуўап беремиз”;
✔️“Билесиз бе?” хеш теги менен халқымыз ушын керекли болған ҳуқықый сораў-жуўаплар;
✔️пуқараларға нызамшылық ҳүжжетлери менен жаратылған жеңилликлер;
✔️зәрүр болған ҳуқықый мағлыўматлар;
✔️инфографикалар;
✔️роликлер менен танысып барыўыңыз мүмкин.

Каналымызды бақлап, ҳәр күни ҳуқықый жаңалықлардан биринши болып хабардар болып, ѳз ўақтында билип, ең керекли мағлыўматларға ийе болың. Ҳәр бир жаңалық сиз ҳәм жақынларыңыз ушын пайдалы болады!

Каналға ағза болыў👉https://t.me/huqiqiymalimleme

🔽Нызамды билмеў жуўапкершиликтен азат етпейди...

📱 Telegram | 📱 Facebook |📱 Telegram |📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

08 Jan, 05:15


🔽Дыққат

❗️Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң қысқа ҳәм анық түрдеги мазмун-мәнисиниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы исенимли дереги - Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң — Huqıqıy málimleme QR каналы арқалы танысып барыўыңызға болады.

Соның менен бирге,
✔️“Сораў бериң жуўап беремиз”;
✔️“Билесиз бе?” хеш теги менен халқымыз ушын керекли болған ҳуқықый сораў-жуўаплар;
✔️пуқараларға нызамшылық ҳүжжетлери менен жаратылған жеңилликлер;
✔️зәрүр болған ҳуқықый мағлыўматлар;
✔️инфографикалар;
✔️роликлер менен танысып барыўыңыз мүмкин.

Каналымызды бақлап, ҳәр күни ҳуқықый жаңалықлардан биринши болып хабардар болып, ѳз ўақтында билип, ең керекли мағлыўматларға ийе болың. Ҳәр бир жаңалық сиз ҳәм жақынларыңыз ушын пайдалы болады!

Каналға ағза болыў👉https://t.me/huqiqiymalimleme

🔽Нызамды билмеў жуўапкершиликтен азат етпейди...

📱 Telegram | 📱 Facebook |📱 Telegram |📱 You tube

Huqıqıy málimleme QR ️️

08 Jan, 04:23


#Күн_тарийхы

🗓 8-январь (1992-жыл )

Президент Пәрманы менен Өзбекстан ССР аўқамы-республикасының Әдиллик министрлиги Өзбекстан Республикасының Әдиллик министрлигине айландырылған.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR ️️

08 Jan, 04:13


#Әдиллик_қутлықлаўы

Ҳүрметли прокуратура органы хызметкерлери!

Әдиллик министрлиги сизлерди прокуратура органы шөлкемлестирилген күн мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайды.

Ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қурыў, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў жолындағы мақтанышлы ҳәм пидәйи искерлигиңизде бәрҳәма әўмет яр болсын!

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR ️️

08 Jan, 04:07


#Әдиллиқ_хабары
#Брифинг

📣Мәмлекет мүлкин ижараға бериў саласындағы нызамшылықты бузғанлық ушын жуўапкершилик күшейди.

🏢Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги режелестириў-қадағалаў таллаў секторы баслығы И. Алдабергенов мағлыўмат береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR ️️

07 Jan, 12:06


#Билесизбе

Билесиз бе: Бағыўшысы қайтыс болғанлығы мүнәсибети менен жеткизилген зыян қапланады

🏢Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги режелестириў-қадағалаў таллаў секторы баслығы И. Алдабергенов мағлыўмат береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR ️️

07 Jan, 10:16


#Билесизбе

❗️Хызметкер мийнет дем алысын өзгертиўге ямаса басқа мүддетке көшириў ҳуқықына ийе

🏢Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR ️️

07 Jan, 05:35


#Билесизбе

Пуқараның қандай мүлки оның қарызы ушын қапланбайды

🏢Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR ️️

07 Jan, 03:55


#Билесизбе

Cудқа төленген бажы пулын қайтарып алыўға болады ма?

🏢Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

06 Jan, 10:14


#Сиз_билесиз_бе

🔰Жол ҳәрекети қатнасыўшылары ЖПХ хызметкерлери менен өз-ара қатнасықларда қандай ҳуқықларға ийе?

❗️Бул сораўға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў сектор баслығы И.Алдабергенов жуўап береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

06 Jan, 09:54


#Сиз_билесиз_бе

🔰Турақ жайды магазинге ямаса кафеге айландырыў ушын қандай талаплар белгиленген?

🏢Бул сораўға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў сектор баслығы И.Алдабергенов жуўап береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

06 Jan, 06:49


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️Мәмлекетлик уйымлардың ашықлыққа байланыслы миннетлемелерге әмел етилиўи аралықтан мониторинг етиледи

🔰Министрлер Кабинетиниң "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ашықлықты тәмийинлеў тараўындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген миннетлемелерге әмел етилиўин аралықтан мониторинг етиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарарына қол қойылды.

📲 Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

04 Jan, 10:21


#Әдиллик_жойбары

Абайлы болың! Тоғайдағы қарақшы

Тоғайдағы тышқан электр энергиясын урлап, оннан нызамсыз пайдаланып атырған еди. Буннан болса пүткил тоғай халқы азап шегетуғын еди. Дөретиўши маймылдан баслап, қассап айыўға шекем ҳәммениң аўҳалы аўыр болды. Бирақ бир күни бир ўақыя жүз берди, соннан кейин тоғайда...

Видеони кўриш👉 https://youtu.be/_pGnuG-F0qc

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

04 Jan, 10:07


#Ҳуқықтаныўшы_асханасы

Ҳүжжетсиз жерлерге жәриймалар артады ма?

Өзбекстанда өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жерлер бойынша көрсеткиш қандай? Бундай жерлерге қурылған имаратлардың тәғдири не болады? Бундай жерлерден пайдаланғанларға нызамшылықта қандай жуўапкершилик бар? Халықтың жерлерин легалластырыў тәртиби қандай?

Қәниге менен эксклюзив сәўбетти тамаша етиң.

Толық видео: 👉https://youtu.be/WmMbghP_djo

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

04 Jan, 05:22


#Билесиз_бе

🔰 Нызамшылыққа бола, жер участкасының алып қойылыўы мүнәсибети менен ҳуқық ийесине қолайсызлықлар келтирилгени ушын компенсация сыпатында жер участкасында жайласқан көшпес мүлктиң базар баҳасының 5 пайызы муғдарында бир мәртелик төлем әмелге асырылады.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

03 Jan, 12:47


#Билесиз_бе

🏢 Банклер тәрепинен "жасыл" тутыныў кредити қуяш фотоэлектр станциясы, қуяш суў ысытқышлары ҳәм самал электр станцияларын орнатыў мақсетлери ушын ажыратылады.

БЕМның 500 есесине шекемги болған "жасыл" тутыныў кредитлери бойынша пайыз ставкасының Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан артқан, бирақ 5 пайызлы бәнттен көп болмаған бөлеги ушын 3 жыл компенсация бериледи.

✔️Яғный, бүгинги күнде ОБ тийкарғы ставкасы 13,5 пайыз, егер кредит пайызы 18 пайыз болса, оның 5 пайызы мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

📝Бул компенсация ушын айрықша мүрәжат етиў талап етилмейди, "жасыл" кредит ажырататуғын банклер автомат түрде арзаны өзи жибереди.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

03 Jan, 10:57


#2025_жыл_1_январьдан

✔️Нызамшылыққа бола, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллетилген тийкарда қабыл етиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

03 Jan, 08:18


#2025_жыл_1_январьдан

"Жумысқа мәрҳамат" моноорайлары ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайлары тийкарында кәсиплик көнликпелер орайлары шөлкемлестирилип, жумыс бериўшилердиң талабына бейимлескен оқытыў мүддети ҳәм ўақтын нәзерде тутатуғын оператив курслар шөлкемлестириледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

03 Jan, 07:48


#2025_жыл_1_январьдан

🔖Нызамшылыққа бола:

🔹жолаўшыларды бирден-бир тарифлер бойынша тасыў хызметлерин көрсетиў айланысы ҳәм майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелериниң бирден-бир қатнасыўшысы есапланған юридикалық шахслар тәрепинен реализацияланатуғын товарлар ҳәм хызметлер ушын ҚҚС бойынша жеңилликлер бийкар етиледи;

🔹жаңадан қурылып атырған бағлар, жүзимзарлар ҳәм тутзарлар иелеген жерлер ушын юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығын төлеўден азат етиў түриндеги жеңилликти бийкар еткен ҳалда, усы жер участкалары бойынша салық ставкасы 50 пайызға кемейтириледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

03 Jan, 07:28


#2025_жыл_1_январьдан

⚡️️Нызамшылыққа бола:

▪️кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўшы шаңарақлардың рәсмий жумыссыз ағзалары жумысқа орналасқанда, өзин-өзи бәнт еткенде ямаса исбилерменлик жумысын жолға қойғанда бул напақа ҳәм материаллық жәрдемди олардың мүддети тамамланғанша, бирақ 6 айдан көп болмаған мүддетке төлеў даўам еттириледи;

▪️МҲТЕКМның 1,5 есесинен кем болмаған айлық мийнет ҳақы төленген ҳалда жумысқа жайласқан Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақ ағзасы ушын социаллық салық 3 жыл даўамында 1% ставкасында төленеди;

▪️ кәмбағал шаңарақларга жәрдем социаллық шәртнама тийкарында мийнетке жарамлы шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў, өз қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў, шаңарақ ағзалары, соның ишинде перзентлериниң билим алыўы, кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйрениўи ҳәм де денсаўлығын қадағалаўы, турақ жайын таза сақлаў сыяқлы шәртлер инабатқа алынған ҳалда көрсетиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

03 Jan, 06:12


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Қарарға бола, 2025-жылы турақ жай фондының көшпес мүлк объектлерине, сондай-ақ, олар ийелеп турған жер участкаларына:

🔹2018-жылы белгиленген кадастр баҳасы тийкарында есапланған физикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық муғдары 2024-жыл ушын есапланған салық суммасының 1,3 есесинен аспаўы;

🔹Физикалық шахслардан өндирилетуғын аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын жер салығының суммасы 2024-жылы есаплап шығарылған салық суммасының 1,3 есесинен аспаўы керек.

🗓 2025-жыл 1-июльға шекем қурамында қумшекер ямаса басқа да татландырыўшы ямаса ийислендириўши затлар болған ишимликлердиң дизимин қәлиплестириў, олар қурамындағы қумшекер ҳәм басқа да затлар муғдарын есапқа алыў ҳәм оны жаңалап барыў имканиятын беретуғын автоматластырылған мәлимлеме системасы ислеп шығылады.

🔍Биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң 2025-2027-жыллар ушын бюджет қаржыларынан пайдаланыўға байланыслы мақсетли индикаторлары тастыйықланды.

Министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары бюджеттен ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы ҳәм мақсетли индикаторлардың толық орынланыўы ушын жеке жуўапкер есапланады.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

03 Jan, 05:55


#2025_жыл_1_январьдан

⚡️Нызамшылыққа бола, қадағалаўшы уйымлар тәрепинен:

исбилерменлердиң жумысын тоқтатып турыўға тек ғана Реестрге киргизилген факторлар тийкарында жол қойылады.

исбилерменлердиң жумысында ҳуқықбузарлық ислеў қәўпин анықлаў бойынша "Қәўипти таллаў" электрон системасы енгизиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

03 Jan, 04:55


#2025_жыл_1_январьдан

✔️ Нызамшылыққа бола, белгиленген жумыс түрлери бойынша лицензия бериўде объектте қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларында белгиленген талапларға муўапық майыплығы болған шахсларға тосқынлықларсыз орталық жаратылғаны бойынша Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясының жуўмағын алыў талап етиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

27 Dec, 10:53


📣"Milliynom.uz" платформасы иске қосылды

Бул платформада пайдаланыў жасы шекленбеген. Сиз де бул платформа имканиятларынан пайдаланып көриң!

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

24 Dec, 13:01


#2025_жыл_1_январьдан

🔰Нызамшылыққа бола, 2025-жыл 1-январьдан баслап әмел ететуғын мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалардың тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң муғдарлары жоқарыдағыдай етип белгиленеди.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

24 Dec, 04:11


#Билесиз_бе

🔰 Герб, гимн ҳәм байрақ Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик нышанлары болып есапланады.

👉 Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик герби - 1992-жыл 2-июль күни;

👉 Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни - 1992-жыл 10-декабрь күни;

👉 Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы – 1991-жыл 18-ноябрь күни қабыл етилген.

🔰Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы өзиниң нызам арқалы тастыйықланатуғын мәмлекетлик нышанларына – байрағына, гербине, гимнине ийе.

👉 Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни – 1993-жыл 24-декабрь күни;

👉 Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби – 1993-жыл 9-апрель күни;

👉 Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы – 1992-жыл 14-декабрь күни қабыл етилген.

❗️Еслетип ѳтемиз, мәмлекетлик нышанларға ҳүрметсизлик етиў ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

24 Dec, 04:04


#Мәмлекетлик_гимнге_31_жыл

🔰1993-жыл 24-декабрь күни “Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққында”ғы Нызамы қабы етилди.

Каналға жалғаныў‌ 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

23 Dec, 09:37


#Ҳуқықты_билген_пайдалы

❗️Сиз билесиз бе? Бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар жер салығынан азат этиледи


💰Нызамшылыққа көре, бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар физикалық шахслардан алынатуғын жер салығынан азат етиледи.

❗️Ата ҳәм анадан бири ямаса ата-анасы қайтыс болған көп балалы шаңарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысын жойтқан көп балалы шаңарақлар болып табылады.

📃 Усы жеңиллик Бюджеттен тысқары пенсия қоры район (қала) бөлиминиң мағлыўматнамасы тийкарында бериледи.

Каналға жалғаныў‌ 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

23 Dec, 09:37


#Билесизбе

Билесиз бе: Бағыўшысы қайтыс болғанлығы мүнәсибети менен жеткизилген зыян қапланады

🏢Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги режелестириў-қадағалаў таллаў секторы баслығы И. Алдабергенов мағлыўмат береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

23 Dec, 09:37


#Сиз_билесиз_бе

🔰Үй шәраятында туўылған балаға туўылғанлық ҳаққында гүўалық бериў тәртиби қандай?

🏢Бул сораўға Нөкис қаласы әдиллик бөлими ПҲАЖ бөлими 1-дәрежели инспекторы Д.Наўрызбаева жуўап береди

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

23 Dec, 09:36


#Сиз_билесиз_бе

❗️Баланы сырт елге алып шығыў тәртиби қандай?

🏢Бул сораўға Нөкис қаласы әдиллик бөлими ПҲАЖ бөлими 1-дәрежели инспекторы Д.Наўрызбаева жуўап береди

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

23 Dec, 09:36


#Сиз_билесиз_бе

🔰Турақ жайды магазинге ямаса кафеге айландырыў ушын қандай талаплар белгиленген?

🏢Бул сораўға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў сектор баслығы И.Алдабергенов жуўап береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

23 Dec, 09:36


#Сиз_билесиз_бе

🔰Кимлер амбулаторияда емлениўде дәри өнимлери менен жеңилликли тәмийинлениў ҳуқықына ийе?

🏢Бул сораўға Нөкис қаласы әдиллик бөлими ПҲАЖ бөлими 1-дәрежели инспекторы Д.Наурызбаева жуўап береди

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

01 Dec, 04:32


#Мәмлекетлик_тилге_35_жыл

Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамына тийкар:

Мəмлекетлик тилдиң рəсмий ҳəрекет етиў салаларында қарақалпақ ҳəм өзбек тиллериниң қолланылып атырған илимий қəделери ҳəм нормалары сақланады.

Мəмлекет, мəмлекетлик тилди байытыў ҳəм жетилистириўди, соның ишинде оған көпшилик тəрепинен тəн алынған илимий-техникалық ҳəм жəмийетлик сиясий терминологияны енгизиў есабынан байытыў ҳəм жетилистириўди тəмийинлейди.

Мəмлекетлик тилге жаңа илимий тийкарланған терминлер жəмийетлик додалаўдан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли комитетиниң келисими бойынша киргизиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

01 Dec, 04:02


#Мәмлекетлик_тилге_35_жыл

Бүгин Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 35 жыл толды.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы ҳәм “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамға тийкар қарақалпақ ҳəм өзбек тиллери Қарақалпақстан Республикасының мəмлекетлик тили болып табылады.

Қарақалпақ ҳəм өзбек тиллерине мəмлекетлик тил статусының берилиўи республика аймағында жасап атырған миллетлер ҳəм халықлардың өз ана тилин пайдаланыўында Конституциялық ҳуқықларын кемситпейди.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмәәти бүгинги байрам менен гүллән халқымызды қутлықлайды.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

01 Dec, 03:31


🔰 Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмәәти халқымызды Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн менен шын кеўилден қутлықлайды!

Каналға ағза болың👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

30 Nov, 09:13


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Физикалық шахсларға мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем кѳрсетиледи

Ҳүкимет Қарары (774-санлы, 21.11.2024 ж.) менен Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем кѳрсететуғын адвокатларды тартыў ҳәм оларға ҳақы тѳлеў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды

⚡️ Реже менен мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем кѳрсететуғын адвокатларды тартыў ҳәм оларға ҳақы тѳлеў тәртиби белгиленди.

🔰Режеге бола, мәмлекет есабынан кѳрсетилетуғын юридикалық жәрдем – Нызамда белгиленген тәртиплер ҳәм шәртлерге муўапық мәмлекет есабынан толық ямаса бир бѳлеги кѳрсетилетуғын, физикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған маманлы юридикалық жәрдем есапланады.

🗒Тѳмендеги физикалық шахсларға мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем кѳрсетиледи:

1️⃣ кем тәмийинленген шахслар, егер олар:
пуқаралық ислери бойынша даўагерлер ямаса жуўапкерлер;
ҳәкимшилик ислери бойынша арзашылар;
ҳәкимшилик қамақ тәризиндеги ҳәкимшилик жаза нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты әмелге асырған шахслар;
жынаят ислери бойынша айыпланыўшылар, судланыўшылар гуманланыўшылар болса;

2️⃣ психологиялық жағдайы бузылған физикалық шахслар, оларға “Психиатрия жәрдеми ҳаққында”ғы Нызамға муўапық психиатрия жәрдеми берилип атырғанда;

3️⃣ өз ҳуқықлары бузылған, “Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм де имканиятлар кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамда нәзерде тутылған ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлылығы бузылғанлығы мунәсибети менен судқа мүрәжат еткен физикалық шахслар;

➡️Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў ушын физикалық шахслар экстерриториаллық принципи тийкарында әдиллик бѳлимине аўызеки, жазба ҳәм электрон түрде мүрәжат етеди:

🔹электрон түрдеги мүрәжатлар Бирден-бир идентификация системасынан (OneID) дизимнен ѳткен түрде, “Юридикалық жәрдем” мәлимлеме системасы арқалы жибериледи.
🔹аўызеки ҳәм жазба мүрәжатлар тийисли әдиллик бѳлими тәрепинен мүрәжат келип түскен күнниң кейинги жумыс күнинен кешиктирмей системаға киргизиледи.

♻️Адвокатқа белгиленген муғдарда ҳақы тѳлениўи менен бирге хызмет сапары ҳәм транспорт қәрежетлери адвокат шәртнама дүзген орыннан 50 км аралықтан узақ болған аймақа юридикалық жәрдем кѳрсетилген жағдайларда қапланады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

30 Nov, 08:54


#Әмел_етиң

❗️Энергия ресурсларынан ақылға сай пайдаланыў усынысларына әмел етиң

Толық инфографикада👆

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

30 Nov, 08:51


#МЕНИҢКОНСТИТУЦИЯМ

❗️Мәмлекет оқытыўшылардың ар-намысы ҳәм қадир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық пәраўанлығы, кәсиплик жақтан жетилисиўи ҳаққында ғамхорлық етеди.

Толық видеода 👆👆👆

Дерек: Конституцияның 52-статьясы.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

30 Nov, 08:43


#МЕНИҢКОНСТИТУЦИЯМ

❗️Ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе. Мәмлекет үзиликсиз билимлендириў системасы, оның ҳәр ҳәм формалары, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шѳлкемлери раўажланыўын тәмийнлейди. Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия, улыўма орта билимлендириў мәмлекет қадағалаўында болады.

Толық видеода 👆👆👆

Дерек: Конституцияның 50-статьясы.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

30 Nov, 08:26


#Әмел_етиң

❗️Энергия ресурсларынан ақылға сай пайдаланыў усынысларына әмел етиң

Толық инфографикада👆

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

28 Nov, 05:28


#Әдиллик_таңлаўы

⚡️ Сыйлықлардың улыўма қуны 40 млн сўмлық таңлаў❗️

🇺🇿 "Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы" өткериледи

📝 Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығы мүнәсибети менен Әдиллик министрлиги ҳəм ТМЮУның Мақсетли капитал (Endowment fund) жəмийетлик қоры менен бирге ислесиўинде Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы өткериледи.

📌 Таңлаў шəртлери менен толық бул жерде танысың.

❗️Таңлаўда қатнасыў ушын @huquqbilimdonibot телеграм ботыны иске түсириўиңиз керек.

🔰 Жеңимпазлар төмендеги муғдарда хошаметлендириледи:
3️⃣-орын 8 млн сўм;
2️⃣-орын 12 млн сўм;
1️⃣-орын 20 млн сўм.

Имтиханда қатнасып билимиңизди сынаўтан өткериң ҳəм жеңимпаз болың!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

25 Nov, 05:01


⁉️Әдиллик министрлиги тәрепинен кѳрип шығылатуғын ҳуқықый машқалалардың классификаторы ислеп шығылды.

☝️Бул ҳаққында видеоролик арқалы танысып шығыўыңыз мүмкин

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

21 Nov, 13:50


#Әдиллик_таңлаўы

⚡️ Сыйлықлардың улыўма қуны 40 млн сўмлық таңлаў❗️

🇺🇿 "Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы" өткериледи

📝 Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығы мүнәсибети менен Әдиллик министрлиги ҳəм ТМЮУның Мақсетли капитал (Endowment fund) жəмийетлик қоры менен бирге ислесиўинде Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы өткериледи.

📌 Таңлаў шəртлери менен толық бул жерде танысың.

❗️Таңлаўда қатнасыў ушын @huquqbilimdonibot телеграм ботыны иске түсириўиңиз керек.

🔰 Жеңимпазлар төмендеги муғдарда хошаметлендириледи:
3️⃣-орын 8 млн сўм;
2️⃣-орын 12 млн сўм;
1️⃣-орын 20 млн сўм.

Имтиханда қатнасып билимиңизди сынаўтан өткериң ҳəм жеңимпаз болың!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

18 Nov, 11:17


#Күн_тарийхы

🇺🇿Мəмлекетлик байрағы Ɵзбекстан Республикасының мəмлекетлик суверенитетиниң белгиси.

18 ноябрь – “Ɵзбекстан Республикасының Мəмлекетлик байрағы ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилген күн.

Əдиллик министрлиги бəршеңизди усы күн менен шын кеўилден қутлықлайды.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

18 Nov, 09:22


#Әдиллик_таңлаўы

⚡️ Сыйлықлардың улыўма қуны 40 млн сўмлық таңлаў❗️

🇺🇿 "Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы" өткериледи

📝 Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығы мүнәсибети менен Әдиллик министрлиги ҳəм ТМЮУның Мақсетли капитал (Endowment fund) жəмийетлик қоры менен бирге ислесиўинде Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы өткериледи.

📌 Таңлаў шəртлери менен толық бул жерде танысың.

❗️Таңлаўда қатнасыў ушын @huquqbilimdonibot телеграм ботыны иске түсириўиңиз керек.

🔰 Жеңимпазлар төмендеги муғдарда хошаметлендириледи:
3️⃣-орын 8 млн сўм;
2️⃣-орын 12 млн сўм;
1️⃣-орын 20 млн сўм.

Имтиханда қатнасып билимиңизди сынаўтан өткериң ҳəм жеңимпаз болың!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

18 Nov, 04:29


🇺🇿18-ноябрь – “Ѳзбекстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилген күн.

🎥Сǝне мүнǝсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги тǝрепинен нызамның мазмун-мǝнисин халыққа жеткизиў мақсетинде таярланған ролик нǝзериңизге усынылады.

Каналға ағза болың👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

18 Nov, 04:11


🇺🇿18-ноябрь – “Ѳзбекстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилген күн.

🎥Сǝне мүнǝсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги тǝрепинен нызамның мазмун-мǝнисин халыққа жеткизиў мақсетинде таярланған ролик нǝзериңизге усынылады.

Каналға ағза болың👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

18 Nov, 04:11


🇺🇿1991-жыл 18-ноябрь күни “Ѳзбекстан Республикасының Мǝмлекетлик байрағы ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди.

Каналға ағза болың👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

15 Nov, 13:11


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Субсидиялар "subsidyplatform.mf.uz" тɵлем платформасы арқалы ажыратылады.

Дерек: МКҚ-691-санлы, (https://www.lex.uz/docs/-7170688) 21.10.2024 ж.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

15 Nov, 12:57


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️“Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында”ғы Конституциялық Нызам (ƟРН-982-санлы, 25.10.2024 ж.) қабыл етилди.

Дерек: ƟРН-982-санлы, (https://www.lex.uz/docs/-7172667) 25.10.2024 ж

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

15 Nov, 12:23


#Әдиллик_таңлаўы

⚡️ Сыйлықлардың улыўма қуны 40 млн сўмлық таңлаў❗️

🇺🇿 "Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы" өткериледи

📝 Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығы мүнәсибети менен Әдиллик министрлиги ҳəм ТМЮУның Мақсетли капитал (Endowment fund) жəмийетлик қоры менен бирге ислесиўинде Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы өткериледи.

📌 Таңлаў шəртлери менен толық бул жерде танысың.

❗️Таңлаўда қатнасыў ушын @huquqbilimdonibot телеграм ботыны иске түсириўиңиз керек.

🔰 Жеңимпазлар төмендеги муғдарда хошаметлендириледи:
3️⃣-орын 8 млн сўм;
2️⃣-орын 12 млн сўм;
1️⃣-орын 20 млн сўм.

Имтиханда қатнасып билимиңизди сынаўтан өткериң ҳəм жеңимпаз болың!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

14 Nov, 07:38


#Әмел_етиң

🔰 Нызамшылыққа көре, қарыйдарларға электр энергиясы ҳəм тəбийий газ шəртнама тийкарында олардан пайдаланыў қағыйдаларына муўапық жеткерип бериледи.

📝 Шəртнамада тəреплердиң ҳуқық ҳəм миннетлемеси, есапқа алыў əсбапларын орнатыў, электр энергиясы ҳəм тəбийий газ ушын есап-китап қылыў ҳəм басқа шəртлер келисип алынады.

📁 Усы қағыйдаларды бузғанлықлары ушын тəреплер нызам ҳүжжетлерине муўапық ҳәкимшилик ҳəм жынайый жуўапкершиликке тартылыўлары мүмкин.

⚠️ Соның менен бирге, тармақларға өз басымшалық пенен жалғаныў, есапқа алыў əсбапларына, олардың пломбаларына зыян жеткизиў ямаса есапқа алыў əсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў, урлық ямаса аз муғдарда талан -тараж қылыў ретинде баҳаланып, жуўапкершиликке себеп болыўы белгиленген.

‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

13 Nov, 06:27


#Билесизбе

🔰 Мийнет миграциясына шығып кеткен пуқаралардың Өзбекстанда олар менен бирге жасаўшы пенсия жасына жеткен ямаса I ҳəм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына кəсиплик аўқамлары системасындағы санаторийға ҳəм профилактикалық емлениў мəкемелерине бир мәртелик бийпул жоллама бериледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

11 Nov, 07:15


#Билесизбе

🔰 Жер участкасына болған ижара ҳуқықын тəн алыў ушын төмендеги муғдарларда бир мәртелик төлем өндириледи:

🔹Ташкент қаласында - БЕМның 5 есеси муғдарында;

🔹Нөкис қаласында ҳəм ўәлаятлар орайларында - БЕМның 3 есеси муғдарында;

🔹ўәлаятлар бойсыныўындағы басқа қалаларда - БЕМның 2 есеси муғдарында;

🔹басқа халық пунктлеринде - БЕМның 1 есеси муғдарында.

Дерек: ӨРН-937-санлы, 05.08.2024 ж.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

11 Nov, 07:12


#Әмел_етиң

Айдаўшылардың транспорт қуралларын пиядалар тротуарларынан жүргизиўи, жолаўшыларға ылай шашыратыўы БЕМның екиден бир бөлеги муғдарында (187 мың 500 сўм) жəрийма салыўға себеп болады.

‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

11 Nov, 05:35


#Әдиллик_қутлықлаўы

📣Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен кәсиплик аўқамлары хызметкерлери ҳәм оның ағзаларын шын кеўилден қутлықлаймыз, мәмлекетимизде хызметкерлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, оларды социаллық тәрептен қоллап-қуўатлаў ҳәм мийнетин қорғаўдағы жуўапкершиликли хызметлериңизде күш-қуўат тилеймиз!

🏢Ҳүрмет пенен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

10 Nov, 03:35


#Әдиллик_қутлықлаўы

🏩Медицина хызметкерлери күни бәршеңизге мүбәрек болсын!

💗Сизлерди ҳәр жылы елимизде кең түрде белгиленип киятырған кәсиплик байрамыңыз – «Медицина хызметкерлери күни» менен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмәәти қызғын қутлықлайды.
🚑Халқымыздың саламатлығын сақлаўдай жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жолда өзин аямай, пидәкерлик пенен мийнет етип атырған сиз әзизлердиң мийнетиңизди жоқары баҳалаған ҳалда алдағы жумысларыңызда табыслар тилеп қаламыз
.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

08 Nov, 12:18


#Әдиллик_таңлаўы

⚡️ Сыйлықлардың улыўма қуны 40 млн сўмлық таңлаў❗️

🇺🇿 "Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы" өткериледи

📝 Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығы мүнәсибети менен Әдиллик министрлиги ҳəм ТМЮУның Мақсетли капитал (Endowment fund) жəмийетлик қоры менен бирге ислесиўинде Ҳуқық билимданлары - Улыўма миллий Конституция имтиханы өткериледи.

📌 Таңлаў шəртлери менен толық бул жерде танысың.

❗️Таңлаўда қатнасыў ушын @huquqbilimdonibot телеграм ботыны иске түсириўиңиз керек.

🔰 Жеңимпазлар төмендеги муғдарда хошаметлендириледи:
3️⃣-орын 8 млн сўм;
2️⃣-орын 12 млн сўм;
1️⃣-орын 20 млн сўм.

Имтиханда қатнасып билимиңизди сынақтан өткериң ҳəм жеңимпаз болың!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

08 Nov, 11:19


#Әмел_етиң

Белгиленген тəртипте нур қайтарғышлар ҳəм шыралар (лампа) менен үскенеленбеген индивидуал ҳəрекетлениў қуралларын, скутерлер, мопедлер, велосипедлерди ҳəм де жалғаўлы арабаны басқарыў, соның менен бирге индивидуал ҳəрекетлениў қуралларының ҳəм скутерлердиң айдаўшылары тəрепинен адамларды тасыў БЕМның 1/2 бөлеги муғдарында жəрийма салыўға себеп болады.

‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

08 Nov, 10:04


#Мәмлекетлик_хызметлер

Исбилерменлик субъектлерин мəмлекетлик дизимнен өткериў (new.birdarcha.uz) системасында жаңа “Мениң бизнесим” модулы енгизилди.

🔰Бул модул арқалы исбилерменлер өз бизнеслерине тийисли бир қатар зəрүрли мағлыўматларды бир орында алыўлары мүмкин:

исбилерменлик субъектлериниң улыўма мағлыўматлары;
салық есабатлары ҳəм мағлыўматлары;
лицензия ҳəм интеллектуаллық мүлк мағлыўматлары;
көшпес мүлк мағлыўматлары;
бәнтлик ҳəм ЖҲҚХ мағлыўматлары;
шеклеўлер ҳəм IT парк мағлыўматлары;
Мəмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги мағлыўматлары;
қымбатлы қағазлардың орайлық депозитарийсы мағлыўматлары.

❗️Жаңа имканиятлар жəрдеминде бизнесиңизди раўажландырыў ушын зəрүр болған барлық мағлыўматларға тез ийе болың!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

08 Nov, 06:26


#Әмел_етиң

❗️Айдаўшылардың жүк автомобиллеринде жолдың шетки шеп тәрепинде ҳəрекетлениўи (буннан рухсат етилген ҳаллар тысқары), жөнелисли транспорт қураллары тоқтайтуғын бəндиргилерден ямаса пиядалар өтиў орынларынан жүриўи БЕМның 1/2 бөлеги муғдарында жəрийма салыўға себеп болады.

Хәкимшилик жуўапкершиликке тартылған шахс бул ҳуқықбузарлықты тəкирар әмелге асырса:

БЕМның 1 есеси муғдарында жəрийма салыўға себеп болады.

‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

06 Nov, 11:17


#Дыққат_таңлаў
#Коррупциясыз_келешек

🖋Әдиллик министрлиги басламасы менен "Коррупциясыз келешек" атамасында шығармалар таңлаўы болып өтеди

📚Әдиллик министрлиги тәрепинен жаслардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў, коррупция ҳәм ҳуқықбузарлықларға маўасасызлық сезимлерин қәлиплестириў сондай-ақ, жаслар санасында коррупцияға қарсы иммунитетти күшейтиў мақсетинде "Коррупциясыз келешек" атамасында шығармалар таңлаўы өткериледи

👉Толық мағлыўматты район (қала) әдиллик бөлимлеринен алыўыңызға болады

Kaналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

06 Nov, 05:11


❗️Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы

🏢Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен ноябрь айы “Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы” деп жәрияланды.

📣Айлық шеңберинде:
жаслар ортасында “Ҳуқық билимданлары” күни ѳткериледи ҳәм бул күн шеңберинде викториналар ҳәм интеллектуал ойынлар шѳлкемлестириледи;
“Билесизбе” хеш теги менен қызықлы материаллар, постлар таярланады;
коррупцияның алдын алыў менен байланыслы халқымыз арасында үгит-нәсият илажлары алып барылады;

📌Толық мағлыўматлар менен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң социаллық тармақлардағы каналлары арқалы бақлап барыўыңыз мүмкин
“ @huqiqiymalimleme”
“@KRAdillikMinistrligi”

Kaналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

05 Nov, 13:06


#Ádillik_tańlawı

📣📣 Jurnalist hám blogerler dıqqatına!

Ádillik ministrligi tárepinen Konstituciyada belgilengen qaǵıydalardı túsindiretuǵın eń jaqsı post hám maqala tayarlaǵan dóretiwshiler tán alınadı.

Bunda Konstituciyada belgilengen huqıqlardı úgit-násiyatlawshı eń jaqsı dóretiwshilik jumıslar jámáátshilik belsendileri hám ekspertlerden ibarat komissiya tárepinen tańlap alınadı.

Tańlawda qatnasıw ushın 2024-jıldıń 1-yanvarınan 25-noyabrine shekem bolǵan dáwir aralıǵında Ózbekstan Respublikası Konstituciyası boyınsha tayarlanǵan hám de ǵalaba xabar quralları hám sociallıq tarmaqlarda daǵazalanǵan yamasa basılımnan shıqqan maqala hám blogpostlar avtorlar tárepinen Telegramdaǵı @adliya_axborot elektron mánziline jiberiledi.

Tańlaw tómendegi nominaciyalar boyınsha ótkeriledi:
✔️ “Konstituciyada belgilengen qaǵıydalardı túsindiretuǵın eń jaqsı maqala”.
✔️ “Konstituciyada belgilengen qaǵıydalardı túsindiretuǵın eń jaqsı blogpost”.

🗓 Múddet: 2024-jıl 25-noyabrge shekem.

Tańlap alınǵan jumıslar avtorları qımbat bahalı sıylıqlar menen xoshametlendiriledi.

Kanalǵa jalǵanıw 👇👇👇
@KRAdillikMinistrligi

Huqıqıy málimleme QR

05 Nov, 13:04


#Билесизбе

2 жасқа толмаған баланың ата-анасынан бирине (әменгерине) баланы аўқатландырыў ушын (өзине берилген дем алыў ҳəм аўқатланыў ушын берилетуғын тəнепистен тысқары ) кеминде ҳəр 3 саатта бир мәрте ҳəр бири 30 минуттан кем болмаған тəнепис бериледи.

🕑 2 жасқа толмаған еки ҳəм одан көп балалыларға тəнепистиң мүддети кеминде 1 саат етип белгиленеди.

❗️Усы тəнепислер жумыс ўақтына киритиледи ҳəм орташа ис ҳақы бойынша пул төленеди.

➡️ Балалы ҳаялдың қəлеўине көре тəнепислер дем алыў ҳəм аўқатланыў ушын белгиленген тəнеписке қосып берилиўи ямаса улыўмаластырылып, жумыс күниниң басына ямаса ақырына көширилип, жумыс күни усыған жараса қысқартырылыўы мүмкин.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

04 Nov, 11:41


#Әмел_етиң

🔰Нызамшылыққа көре, энергетик ишимликлерди 18 жасқа толмаған шахсларға реализация қылыў төмендеги муғдарда жəрийма салыўға себеп болады:

🔹пуқараларға БЕМның 5 есесинен 10 есесине шекем (1 млн 875 мың сўмнан 3 млн 750 мың сўмға шекем);

🔹лаўазымлы шахсларға БЕМның 7 есесинен 15 есесине шекем (2 млн 625 мың сўмнан 5 млн 625 мың сўмға шекем).

‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

01 Nov, 06:06


#Әмел_етиң

🔰 Нызамшылыққа көре, техникалық регламентлерге жуўап бермейтуғын ҳəм көплеген зәҳәрли элементлер шығыўына алып келетуғын жанылғы-майлаў материалларын реализация етиў лаўазымлы шахсларға БЕМның 5 есесинен 7 есесине шекем (1 млн 875 мың сўмнан 2 млн 625 мың сўмға шекем) муғдарда жəрийма салыўға себеп болады.

🛢Соның менен бирге, жанылғы-майлаў материаллары менен, қолда саўда етиў ямаса қалаларда белгиленбеген орынларда қолда саўда етиў ушын да жуўапкершилик белгиленген.

‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

01 Nov, 06:05


#Сиз_билесиз_бе

❗️Транспорт қуралларында даўыс сигналларын себепсиз басыў жуўапкершиликке себеп болады ма?

🏢Бул сораўға Нөкис қаласы әдиллик бөлими ПҲАЖ бөлими 1-дәрежели инспекторы Д.Наурызбаева жуўап береди

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

31 Oct, 09:51


#2024_жыл_1_ноябрьден

🔰 Нызамшылыққа көре, “Кәмбағаллықтан пəраўанлыққа қарай” бағдарламасы төмендегилерди нəзерде тутыўшы “Кәмбағал шаңарақлар ушын жети имканият ҳəм жуўапкершилик” принципи тийкарында əмелге асырылады:

🔹турақлы бəнтлик ҳəм жоқары дəрамат табыўға ерисиў;

🔹билим алыў ҳəм кəсип-өнер үйрениў;

🔹кепилленген мəмлекетлик медициналық хызметинен пайдаланыў;

🔹социаллық хызметлерден пайдаланыў;

🔹жасаў шараятларын жақсылаў;

🔹мәмлекет тəрепинен мəҳәллелер инфрадүзилмесин раўажландырыў;

🔹мәмлекетлик уйымлар хызметкерлери менен туўрыдан-туўры сәўбетлесиў.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

31 Oct, 06:57


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Президент қарары (ПҚ-358-санлы, 14.10.2024 ж.) менен "Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы" тастыйықланған.

✔️ Оған көре, қатар тараўларда жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы жəмийет раўажланыўы ҳəм халық ушын қосымша қолайлықлар жаратыў нəзерде тутылған.

👉Толық мағлыўмат видеороликте👆

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

31 Oct, 06:56


#Билесизбе

☑️ Нызамшылыққа көре, майыплығы болған шахслар санатория-курортта бийпул саламатластырыў, соның менен бирге дəри өнимлери, майыплығы болған шахсларға ғамхорлық қылыў ушын арналған медициналық буйымлар ҳəм майыплығы болған балалар ушын арнаўлы пайдалы азық-аўқат өнимлери менен тəмийинлениў ҳуқықына ийе.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

30 Oct, 12:45


#Сиз_билесиз_бе

🔰Пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў қандай жуўапкершиликке себеп болады?

🏢Бул сораўға Нөкис қаласы әдиллик бөлими ПҲАЖ бөлими 1-дәрежели инспекторы Д.Наурызбаева жуўап береди

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

30 Oct, 12:23


#2024_жыл_1_ноябрьден

📜 Нызамшылыққа муўапық, бәрше ушын ашық жағдайда жүритилетуғын Инсанның өмири ҳəм ден-саўлығына жоқары қəўип салыўшы факторлар реестри енгизиледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

30 Oct, 12:17


#2024_жыл_1_ноябрьден

"Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў" комплекс бағдарламасы шеңберинде 100 миллион сўмға шекем гиреўсиз микрокредитлер, киши исбилерменлер дизимнен өткен ҳəм искерлик жүритип атырған аймақ категориясынан келип шыққан ҳалда, "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" АЖ (Компания) тəрепинен микрокредит бериўшилерге төмендеги ставкаларда қайта қаржыландырылады:

5-категория ушын - 12, 5 пайыз;
4-категория ушын - 13, 5 пайыз;
3-категория ушын - 14, 5 пайыз;
2-категория ушын - 17, 0 пайыз;
1-категория ушын - 18, 0 пайыз;

⚠️ Соның менен бирге, микрокредитлерди қайта қаржыландырыўда олар бойынша жүзеге келетуғын кредит тəўекелшилигин районлар (қалалар) категориясынан келип шығып, компания ҳəм микрокредит бериўшилер ортасында бөлистириў системасы енгизиледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

29 Oct, 09:44


#Билесизбе

☑️ Нызамшылыққа көре, ханаларды ысытыў мүтәжликлери ушын ыссылық энергиясын бериўде жеткерип бериўши ысытыў дəўирин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳəм Ташкент қаласы ҳəкимликлери тəрепинен белгиленген мүддетлерде баслайды ҳəм тамамлайды.

❗️Бунда, ысытыў дəўири сыртқы ҳаўаның орташа суткалық температурасы 8°Сден төмен болған 5 күнлик дəўир тамам болған күннен кейинги күннен басланыўы, 8°Сден жоқары болғанда ғана тамамланыўы керек.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

29 Oct, 05:31


#2024_жыл_1_ноябрьден

⚡️ Нызамшылыққа көре, Президент қарарына тийкарланып əмелге асырылып атырған “Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў” комплекс бағдарламасы шеңберинде киши исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын 100 миллион сўмға шекем гиреўсиз микрокредитлерди қайта қаржыландырыў ямаса олар бойынша кепилликлер усыныў тәртибин сақлап қалған ҳалда коммерциялық банклерине ҳəм микроқаржылық шөлкемлерине өз ресурслары есабына усы микрокредит муғдарын 300 миллион сўмға шекем асырыўға рухсат етиледи.

✔️Соның менен бирге, мəмлекетлик бағдарламалары тийкарында киши ҳəм орта исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға барлық коммерциялық банклери ҳəм микроқаржылық шөлкемлери тартылады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

28 Oct, 06:44


#Билесизбе

🔰Нызамшылыққа көре, үй шараятында ямаса бөлип алып ислеўшилик тийкарында терек ҳəм пута нəллерин (нəл) жетистириў искерлиги өзин-өзи бəнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған искерлик (жумыслар, хызметлер) есапланады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

28 Oct, 06:39


#2024_жыл_1_ноябрьден

☑️ Нызамшылыққа көре, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлараралық, қала əтирапы, районлараралық (қалалараралық) автобусда жолаўшы тасыў жөнелислеринде хызмет көрсетип атырған исбилерменлердиң автобусларды майыплығы болған шахслар мүтажликлерине масластырыў қəрежетлериниң 50 пайызы, бирақ БЕМның 30 есесине шекемги болған бөлеги қаплап бериледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

28 Oct, 06:34


#Сиз_билесиз_бе

🔰Кимлер амбулаторияда емлениўде дәри өнимлери менен жеңилликли тәмийинлениў ҳуқықына ийе?

🏢Бул сораўға Нөкис қаласы әдиллик бөлими ПҲАЖ бөлими 1-дәрежели инспекторы Д.Наурызбаева жуўап береди

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

25 Oct, 06:07


#Әдиллик_қутлықлаўы

Ҳүрметли Ишки ислер органлары хызметкерлери!

Сизлерди, 25 октябрь - Ишки ислер органлары хызметкерлери күни менен шын кеўилден қутлықлаймыз.

Ўатанымыз тынышлығын ҳəм пәраўанлығын тəмийинлеў, пуқараларымыздың ҳуқық ҳəм еркинликлери, нызамлы мəплерин қорғаў, жәмийетлик тәртипти сақлаў сыяқлы жуўапкершиликли жумысларыңызда табыслар тилеймиз.

Ҳүрмет пенен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жəмəəти

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

24 Oct, 09:29


#Сиз_билесиз_бе

🔰Ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып атырған шахс қандай ҳуқықларға ийе?

🏢Бул сораўға Нөкис қаласы әдиллик бөлими ПҲАЖ бөлими 1-дәрежели инспекторы Д.Наўрызбаева жуўап береди

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

24 Oct, 09:28


#Билесизбе

📑 Нызамшылыққа бола, балалықтан майыплығы болған шахслар, соның менен бирге I ҳəм II топар майыплығы болған шахслар мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси муғдарындағы дəраматларының бир бөлеги салық салыўдан азат етиледи.

📑 Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медициналық-социаллық эксперт комиссиясының мəлимлемеси тийкарында бериледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

24 Oct, 04:43


#Билесизбе

Мəмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын жерлерде тереклер ҳəм путаларды егиў жумыслары бəҳəр ҳəм гүз айларында ҳаўа райы шараяты, тереклер ҳəм путалардың тутыўы, соның менен бирге, ҳəр бир терек ҳəм путаның түрлерине сəйкес келетуғын егиўдиң агротехника қағыйдаларына əмел еткен ҳалда алып барылады.

Бунда жылдың басқа мәўсимлеринде де мүтәжликтен келип шығып тереклер ҳəм путаларды егиў мүмкин.

🚫 Районлар (қалалар) орайлық көшелерин көклемзарластырыў ушын егилетуғын терек ҳəм пута нəллериниң көгериўшеңлигин тəмийинлеў мақсетинде жасы 5 жылдан кем болған нəллерди ҳəм де суўғарыў системасы бар болмаған жерлерге нəллерди егиў қадаған етиледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

22 Oct, 11:39


#Билесизбе

🌿 Нызамшылыққа көре, кесиў ҳəм көширип өткериў жумысларында пайда болған шығындылардың (жапырақлар ҳəм басқа кесиў жумыслары қалдықлары ) алып шығып кетилиўи, соның менен бирге, бузылған жерлердиң қайта тиклениўи бул ислерди əмелге асырған жуўапкерлер тəрепинен бир сутка даўамында тəмийинлениўи шəрт.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

22 Oct, 05:52


#Әмел_етиң

📦 Бажыхана қадағалаўын шетлеп ямаса бажыхана қадағалаўынан жасырып ямаса бажыхана ҳүжжетлери ямаса қуралларына уқсатып жасалған ҳүжжетлерден алдаў жолы менен пайдаланған ҳалда ямаса декларациясыз ямаса басқа атқа жазылған декларациядан пайдаланып, товар ямаса басқа қымбатлықларды көп муғдарда бажыхана шегарасынан өткериў, сондай ҳəрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин əмелге асырылған болса, төмендеги жаза шараларынан бири қолланылыўына себеп болады:
БЕМның 300 есесине шекемги муғдарда жəрийма;

480 саатқа шекем мəжбүрий жəмәәт ислери;

2 жылға шекем мийнет пенен дүзетиў ислери;

2 жылдан 5 жылға шекем еркин шеклеў;

5 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

‼️Нызамды билмегенлик жуўапкершиликтен азат етпейди...

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

21 Oct, 05:44


#Әдиллик_қутлықлаўы

🇺🇿Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги халқымызды 21-октябрь Өзбек тили байрамы менен шын кеўилден қутлықлайды

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

21 Oct, 04:34


#Мәмлекетлик_хызметлер

🔰 Нызамшылыққа көре, Мəмлекетлик хызметлер орайлары ҳəм Бирден-бир интерактив мəмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы "турақлы жасаў орнында дизимнен өтип жасаўшылар ҳаққында мағлыўматнама алыў жəне оны туўрылаў" сыяқлы мəмлекетлик хызметин көрсетиў жолға қойылған.

🚫 Үйиңизде кимлер дизимде турғанын билиў ушын тийисли шөлкемге әўере болып барыў шəрт емес.

Оның ушын, (my.gov.uz) сайтына кирип, "Жеке кабинет" ке өтиў ҳəм " Пуқаралық" бөлимин таңлаў, кейин “Турақлы жасаў орнында жасаўшылар дизимин туўрылатыў ушын сораў жибериў” түймесин басыў керек.

🌐Егер шаңарағыңызда белгисиз шахслар дизимге алынғанын анықласаңыз, сол орынның өзинде өшириўге электрон мүрәжат жибериўиңиз мүмкин.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

Huqıqıy málimleme QR

18 Oct, 05:28


#Сиз_билесиз_бе

🔰Жол ҳәрекети қатнасыўшылары ЖПХ хызметкерлери менен өз-ара қатнасықларда қандай ҳуқықларға ийе?

❗️Бул сораўға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў сектор баслығы И.Алдабергенов жуўап береди.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme

6,477

subscribers

2,777

photos

1,117

videos