Не ушын @ne_ushin Channel on Telegram

Не ушын

@ne_ushin


"Не ушын" сораўына
жаўап бериўши канал
💡Канал жөнелиси | Илим
📭Реклама | @ne_ushin_reklama

Не ушын (Belarusian)

Канал "Не ушын" - гэта месца, дзе можна атрымаць адказ на любыя пытанні. У вас ёсць сумлення альбо патрэбна кансультацыя па любой тэме? Прыйдзіце на канал "Не ушын" і атрымайце жаўапіны на вашыя пытанні. Гэты канал прызначаны для таго, каб дапамагчы людзям разуменнем і развіццем у розных сферах жыцця. Мы прапануем інтэрэсныя інфармацыйныя матэрыялы, а таксама магчымасць рэкламіраваць свае прадукты альбо паслугі на канале. Далучайцеся да нас у канале "Не ушын" і атрымайце адказы на вашыя пытанні пра жыццё, навуку і многае іншае!

Не ушын

11 Nov, 04:26


Не ушын жас улкейген сайын есте сақлау қабилети пасейеди ?

Бұл процесстиң тийкары кекселердеги когнитив қабилет (билим алыу, атирап-орталықтағы мағлўматларды қабыл етиу, қандайда бир жұмысты уйрениу) хам деменсия (бас мийдеги өзгерислер ) себебинен жүзеге келеди.

Кекселик себепли когнитив қабилет пасейиуи нормал халат. Жас улкейген сайын барлық клеткалар, тоқымалар, солар қатарында нейронлар (нерв клеткасы) да гөнереди.

Каналымыз| 👉 @Ne_ushin

Не ушын

10 Nov, 03:57


Не ушын 120/80 қан басымы нормал есапланады?

Қан басымы- бұл қан ағымы қан тамырлар дійуалына қаншеллі дәрежеде жоқары басым беріуін көрсететуғын параметр. Қан басымы 2 көрсеткіште: жоғары хам төмен басымларда болады.

Инсан денесі ушын нормал басым консепсіясы ХХ асирдиң басларында кірітілген. Англіяда өзлерин сау-саламат деп есапдайтуғын бір неше мың адамды тексергенде, олардың көпшілігінің қан басымы 120/80 болған. Солай етип, бұл көрсеткіш статистик тарептен қабыл етилген.

Каналымыз| 👉 @Ne_ushin

Не ушын

08 Nov, 13:32


Не ушын күлип жүриў пайдалы?

🔴 Билесизбе, инсан жүзи 44 мускулды өз ишине алады, олар 5000 ға жақын жүздеги белгилерди көрсетеди ҳәм булардың тийкарын күлиў қурайды.

✔️ Күлип жүриў сизди бахытлырақ қылады (ҳәтте жаман кейпиятта болғаныңызда да ). Кеўилли болғаныңызда болса, инсан денеси ендорфин деп аталыўши гармон ислеп шығарады ҳәм олар кейпиятты көтереди.

✔️ Күлиў сизди және де сулыў көрсетеди. Қабақ үйиў инсанларды сизден қашырады, мыйық тартыў болса өзине тартады.

✔️ Мыйық тартыў стресс жағдайынан шығыўға жәрдем береди, тынышсызланыўды басады ҳәм саламатлыққа унамлы тәсир көрсетеди.

✔️ Уйқыны жақсылаўға да жәрдем береди.

P.s/ Сиз және қандай пайдалары бар деп ойлайсыз?

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

08 Nov, 12:40


Шегирме баҳада РЕКЛАМА ислеп беремиз хабарласиң
👇❗️
@PEGAS_SHOUU_ADMIN

РЕКЛАМАҢЫЗ төмендегі каналларға салынады👇
1⃣.@ne_ushin 3 мың 700 + аудитория
2⃣.@Pegas_shouuu 3 мың 400 + аудитория

Не ушын

08 Nov, 03:04


Qаrеkеńniń júrеgi bаr bаyaǵı,
Zır juwırıp tаlıqqаn tеk аyaǵı,
Hаlı jоq dеp bаsqılаmа iyninеn,
Qápеlimdе tiyip kеtеr tаyaǵı.

Lаl bоlаrsаń júrеginiń isinе,
Tаp bоlmаpsаń ǵаyrаtınа‒kúshinе,
Qıysаńlаmа mеniń mеnеn qаslаsıp,
Sаǵаn jеtеr bаrmаǵımnıń kúshi dе.

Kúshim bаr dеp dаwıl bоlıp еsеrsеń,
Mаzаq qılıp tildi jеrgе tósеrsеń,
Birаq qаlmа аshıwımа duslаsıp,
Qápеlimdе shаlq-оrtаńа túsеrsеń.

Аshıw shıqsа bоrаnnаn dа bеtеrmеn,
Аq kеwilmеn аybıńnаn tеz ótеrmеn,
Úndеmеydi dеp jаǵаmа аsılmа,
Qápеlimdе jеrgе jеrlеp kеtеrmеn.

Qаs bоlǵаnlаr tаwıp kеtеr qаzаsın,
Qаrеkеńlеr sóytip bеrеr jаzаsın,
Dоs bоlаbеr, dushpаn bоlıp júrgеndе,
Tаtıp qаlmа mushlаrımnıń mаzаsın.

Kanalmız @ne_ushin

Не ушын

07 Nov, 05:00


🦷 Не ушын саў тислер де суўық ҳәм мазалы аўқатларға реаксия береди?

☑️ Бул қатты тыс чотка ислетиў, көп муғдарда цитрус мийўелер ямаса олардың шербетин ишиў себепли жүзеге келиўи мүмкин.

🔺 Жүдә көп жағдайларда бул карийес нәтийжеси болып табылады.

П.с Тис шыпакерине ҳәр 6 айда барыўды умытпаң

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

05 Nov, 16:17


Не ушын уйқылаймыз?

Уйқылағанымызда мий дем алады деп ойлаймыз. Негизинде мий ҳешқашан дем алмайды, ҳәтте уйқылағанымыздада .

Мийимиз күндиз сыртқы дуньяны үйренсе, түнде ишки дуняны үйренеди (Яғний ишки органларды). Күндизи көз ҳәм басқа сезги органларымыздан сигнал алған мий қабығы клеткалары уйқы ўақтында ишки органлар ишек өкпе ҳ.т басқалардан сигнал топлайды, мий олардың ислеўиннен кемшилик таўса жуўап сигналы менен орган параметирлерин нормаға келтиреди.

Алымлар буны ийтлер, қоянлар, маймылларда сынап көрген. Олардың ишек ҳәм асқазанларын електр тоғы менен қозғағанда, ҳайўанлар оянбаған ҳәм ҳәтте уйқы қаттылаў болған. Яғный мий ишекте нелер болып атырғанын анализлеген.

П.с: Демек уйқы органларымызға техник хизмет көрсетиў ушын керек екен...

(C)Топлес

Каналымыз| 👉 @Ne_ushin

Не ушын

05 Nov, 04:50


МӘЙЕКТИ ПӘКЛЕЎ

Сораў: Таўықтың мәйеги нажастан (патас жерден) түскен есапланады. Оны қалай пәклесе болады?

💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.

Егер мәйектиң үстинде көринип турған нәжас болса, нәжас кеткенше жуўып тазаланады. Егер көринип турған нәжас болмаса, жуўыў шәрт емес. Сондай болса да, мәйекте нәжас болмаса да жуўып қойыў инсанның тазалығынан дерек береди. Ўаллоҳу аълам.

© Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә кеңеси

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

04 Nov, 03:51


Не ушын адамлар сокты силкитиб кейин ишеди?

— Сокларда рең беретуғын ҳәм дәм қосыўшы ингредийентлер болады. Соклар дүканларда бир қанша ўақыт турады ҳәм олардың ишиндеги ингредийентлер чөгеди.

— Сол себеп ҳәмме сокты силкитеди ҳәм нәтийжеде сок және де мазалылаў болады. Компаниялар да ҳәр бир қутыға " Силкитип ишиң" деп жазып қөяды.

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

03 Nov, 06:13


👮‍♂Не ушын жалпақ табанлық себебинен армияға қабыл қылмайтуғын екенин билесизбе?

Жалпақ табанлы адам узақ аралыққа пияда жүре алмайды. Жалпақ табанлық себебинен скелет-булшық ет системасы искерлиги дурыс бөлистирилмейди. Бул болса тез шаршаў, аяқ аўырыўын келтирип шығарады ҳәм үзликсиз түрде узақ аралыққа жүриў нәтийжесинде сүйеклер ҳәм буўынлардың деформацияланыўы жүзеге келеди.

Ҳәттеки, артрит (буўынлардың зыянланыўы) сыяқлы қәўипли кеселликлерди де келтирип шығарады.

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

02 Nov, 05:36


😅 Пул санасаңыз иммунитетиңиз көтериледи !

💸Тәжрийбе: пулларды санаў инсан ақылый ҳәм физикалық жағдайына қандай тәсир көрсетиўи үйренилди.

Нәтийжеге көре: пул санаў инсанның кейпиятын көтереди, организмде бахыт гормоны — серотонин ислеп шығарылыўына түртки береди. Соның менен бирге, жумысы пул санаў менен байланыслы болған инсанлардың қан анализи үйренилгенде, оларда басқаларға қарағанда көбирек иммун клеткалары бар екенлиги анықланды.

❗️Жуўмақ : тез-тез пул санап турың. Ол өзиңизники ямаса биреўдики екенлигиниң әҳмийети жоқ. Бул «өзине тән емлеў» инсанда оптимистик кейпиятты тәмийинлейди, өзине исенимди арттырады.

Каналымыз | @Ne_ushin

Не ушын

01 Nov, 03:42


🌰 Не ушын ғоза жүдә пайдалы?

Ғоза ақылый искерликке унамлы тәсир көрсетеди. Ғозалар фолат кислотасы ҳәм калслцийдиң дереги есапланады.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, егер күнине 2 ғоза желинсе, яд әдеўир жақсыланады. 4 ғоза желинсе, организмди антиоксидантлар менен байытады, иммунитетти ҳәм клеткалар қорғанысын жақсылайды.

П.с. Бахасы арзанлаў болса "вообще" зор болар еди

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

31 Oct, 03:28


Не ушын режелериңиз ҳаққында басқаларға айтпағаныңыз мақул ?

—Нью-Йорк университетиниң психология бойынша профессоры Питер Голлвитсер өзиниң "Symbols Self-Filling" китабында режелер менен бөлиспеў ҳаққындағы пикирге тоқталады. Ол 63 адам қатнасыўында изертлеўлерди өткереди.

—Анықланыўына қарағанда режелеримиз ҳаққында айтыў бизлерге "ертерек ерисиў сезимин" береди ҳәм мий ойлардың бул ойынынан қанаатланады ҳәм сиз усы мәқсетке ерисиў ушын қызығыўшылықты жойтасыз

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

30 Oct, 04:25


Не ушын айрым инсанлар
пияазды 🧅туўрғанында жылайды?

Японияда алып барылған соңғы изертлеўлерде мәлим болыўыша, пияздың қурамында илгери белгисиз болған лакроматик-факторлы синтетик елемент бар екенлиги анықланған.

Бул процесс төмендегише даўам етеди:
- Биз пиязды турғанымызда лакроматик-факторлы синтетик ҳаўаға шығады
- Синтетик елемент пияздың амина кислоталарын сулфат кислотасына айландырады
- Бийқарар болған сулфат кислотасы өзин син-пропанетиал-С-оксидке айландырады. -Син-пропанетиал-С-оксидҳаўаға газ формасында шығады ҳәм де көзимизге тәсир ете баслайды. Кейининен лакримал безлер ашиды ҳәм биз жылаймыз.

Каналымыз @ne_ushin

Не ушын

29 Oct, 06:49


Укропты тез-тез жеп турың!

Укроп — C, А, Б2, Б6, Р, РР витаминлерине ҳәм кальций, калий, фосфор, темир, магний елементлерине бай.

Бул елементлер қан пайда болыўын асырады. Буннан тысқары укроп асқазан -ишек тракты ҳәм бөлип шығарыў системасын дезинфекция қылыў қәсийетине ийе.

Укроп дем алыў ағзаларына пайдалы тәсир көрсетеди, баўырды жақсылайды, нерв системасын тынышландырады, яғный уйқысызлықта пайдалы, қан басымын пәсейттиреди ҳәм исиклерди кетиреди.

Егер сизди турақлы метеоризм (қарын дем болыўы ) тынышсыз қылса, демек укроп рационыңыздың ажыралмайтуғын бөлеги болыўы керек.

Каналымыз | @Ne_ushin

Не ушын

28 Oct, 03:54


Не ушын творог жеў пайдалы ?

- Творогта жүдə көп протеин бар. Бул гөш өнимлерин жей алмайтуғын ямаса гөшти жемейтуғынлар ушын арналған өним: қурамындағы белок муғдары бойынша творог шошқа, қозы, таўық ҳəм балыққа теңлестириледи. Соның менен бирге, творог қурамындағы белок денеге аңсат сиңеди.

Биз бенен бирге болың😊!
Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

27 Oct, 04:49


▪️Қойдың пири - Шопан ата
▪️Сиырдын пири - Зәнги баба
▪️Жылқының пири - Қамбар ата
▪️Түйениң пири - Ойсыл қара
▪️Ешкиниң пири - Шекшек ата
▪️Егиншиниң пири - Дийқан баба
▪️Ырыс-берекет пири - Қыдыр ата
▪️Темир пири - Ҳәзирети Даўыт ата
▪️Қобыз пири - Қорқыт ата
▪️Дәрт-кеселликтиң пири - Ҳәким Улыкпан ата

Каналмыз | @ne_ushin

Не ушын

26 Oct, 14:46


Лайфхак👍

Каналымыз @ne_ushin

Не ушын

26 Oct, 02:36


Атқан таңыңыз қайырлы болсын, бәршеге жоқары кейпият тилеймиз😊

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

25 Oct, 06:34


Не ушын азанда 🍋лимонлы суў ямаса шай ышыў керек ?

1. Лимон шербети ас сиңириўди , ишеклер перисталтикасын жақсылайды.

2. Бул ишимлик жеңил "моча"ны айдаўшы тәсирге ийе. Лимонлы суў сидик шығарыў тезлигин асырады, бул болса сидик жолларының жақсыланыўына, организмди тазалаўға жәрдем береди.

3. Териңиздиң тынықласып баратырғанын сезесиз. Буннан тысқары, С витамини жыйрықларды кемейтиўге жәрдем береди ҳәм теридеги дақларды жоғалтады, себеби ол қандағы токсинлерди шығарып таслайды.

❗️ Асқазан-ишек жара кеселлигинде, гастритте, жоқары кислоталықта, қантлы диабетте усыныс етилмейди .

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

24 Oct, 08:00


Не ушын ҳаяллар кийиминиң сәдеплери шеп тәрепте жайласқан?

Тарийхта бай ҳаялларды хызметкерлери кийиндиретуғын еди ҳәм хызметкерлерине кийиндириў аңсат болған. Бул ҳәзирги күнде де әдетке айланған.

Каналмыз @ne_ushin

Не ушын

23 Oct, 03:52


Не ушын Ерик Барон ең тез велосипед айдаушысы 🚴 есапланады ?

Велосипедти тез айдау бойынша рекорд Франциялы Ерик Барон тәрепинен орнатылған. Ол Алп тауларындағы арнаулы тайарланған қысқы трек бойлап саатына 223,3 км/саат тезликке ерисе алған. Оның алдыңғы рекорды 222,2 км/саатқа тең хам бул рекордты орнатыу дауамында ол 20 ға жақын жарақат алған 🥲.

П.с: Рекорд орнатыуға хәрекет етип көрсембекен 🤔😅 ?

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

22 Oct, 08:29


Не ушын фанта ишимлиги бундай аталады?

Екинши жәҳән урысы ўақтында Coca-Cola ның Германиядағы бөлимин баскарған Макс Кайт жаңа ишимлик жаратыўға қарар қылады. Макс Кайт жумысшыларына немисше ''fantasie" яғный фантазияңызды ислетиң дейди. Jo Nip деген жумысшы тезде "Fanta" деп айтады ҳәм ишимликке сол ат бериледи.

Каналмыз | @ne_ushin

Не ушын

21 Oct, 04:35


Не ушын Куала-Лумпур Малазияның жүреги есапланады?

— Куала-Лумпур нефт қазып алыў арқалы Малазияға үлкен байлық алып келген. Куала-Лумпур оғада қызықлы ҳəм заманагөй архитектураға ийе қала.

— Петронас минараларының даңқ ҳəм атағы Малазия шегараларынан да асып үлгерген . Алты жыл даўамында бул еки имарат дүнядағы ең бəлент имаратлар ретинде тəн алынған.

П.с: Өзиңиз саяхат етиўди қəлеген мəмлекет пайтахты ҳəм мəмлекет президенти ким ?
Меники Корея;Сеул;Мун Джеин 😁.

Биз бенен бирге болың 😊!
Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

20 Oct, 07:01


Не ушын балық жүрек ушын пайдалы ?

Балық хәм балық майы тромблар пайда болыуына қарсылық көрсетеди, оларда сақланыушы омега-3 май кислоталары жоқары дәрежедеги антиоксидант қәсийетке ийе. Балықты пууда яки грилде писирип жеу усыныс етиледи.

П.с: Балық көз өткирлигин жақсылайды. Мазалы балықлар Мойнақта болады дейди. Мойнактан бармекен арамызда ?

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

19 Oct, 05:19


🗓 Бүгин 19-октяьбр келешекке хат жазыў күни.

Келешек ҳаққында пикирлеў жүдə әҳмийетли. Буны ҳəттеки илимпазларда тастыйықлайды. Солай етип, сиз бүгин бир сумка 🛍 толы пул 💵 😅, дүня бойлап саяхат, шаңарағыңыз👩‍❤️‍👨, балаларыңыз 👨‍👩‍👧, өз бизнесиңизди жүритип атырғаныңызды көз алдыңызға келтирип, оны қағазға түсириўиңиз керек. Хатқа түсирген режелерди əмелге асырыў мүмкиншлиги əйне бүгин "Келешекке хат" күнин өткергениңизде жəнеде артады.

П.с: Психологлардың 5 жылдан соң, 10 жылдан кейин қандай етип өзиңди көз алдыңа келтиресең - дейтуғынын енди түсиндим

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

18 Oct, 13:07


🤗 Не ушын бүгин ҳаялларымызды бахытлы қылыўымыз керек ?

— Себеби бүгин халық аралық ҳаял бахыты күни. Ҳаялларыңызды тек ғана бүгин емес, ҳардайым бахытлы қылып жүриў несип етсин.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

18 Oct, 03:26


Не ушын активлестирилген көмир ислетиледи?

🔻Аўқаттан зәҳәрлениўде пайдаланылады. Организмдеги токсинлерди тезирек зыянсизлантырыўға ҳәм шығарыўға жәрдем береди;
🔻 Метеоризмда қолланылады. Ишеклерде газ топланыўын азайтады ;
🔻 Шашлар ушын қолланылғанда шаш түбирин беккемленип, шашлар көркемлигин асырады;
🔻 Тислерди ағартады;
🔻 Аўыздағы қолайсыз ийислерди азайтады;
🔻 Бүйреклер искерлигине унамлы тәсир көрсетеди;
🔻 Организмде холестерин муғдарын азайтады.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

17 Oct, 15:46


Не ушын пал инсан саламатлығы жақсыланыўына зәрүр өним ?

Пал (мёд) - ас сиңириў системасын жақсылайды , қуўатты тиклейди , иммунитетти асырады .

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

17 Oct, 06:02


🍅 Не ушын помидор шербетин ишиў ушын керек ?

Иммунитетти асырады ҳәм кем қанлылықтың алдын алады
Қандағы қант муғдарын нормалластырады
Организмнен токсин ҳәм артықша суйықлықты шығарып жибереди
Ассиңириў процесин тезлестиреди
Қан басымын нормалластырады
Стресстен қорғайды
Азыўды тәмийинлейди
Искерлик қәбилетин асырады

Каналымыз | @Ne_ushin

Не ушын

16 Oct, 06:10


🗓 Не ушын 16-октябрь нан күни ?

Пүткил дүния нан күни - ҳəр жылы 16-октябрде байрамланатуғын халық аралық байрам есапланади.

Пүткил дүния нан күни 16-октябрде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық -аўқат ҳəм аўыл хожалығы шөлкеми (FAO) дүзилгенлигиниң бир жыллығы мүнасəбети менен байрамланып басланған ҳəм ҳəзирге шекем ҳəр жылы байрамланып келмекте.. FAO ашлықты жеңиў ушын 1945-жылда дүзилген.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

15 Oct, 05:15


Ақыл ҳаққында не деў мүмкин?

Ақыл (интеллект) әкеден улға өтпейди. Әке жоқары ақыл ийеси болса да, бул қәсийетти баласы оннан 100 процент мийрас етип алалмайды .

Ақмақлық та әкеден улға өтпейди. Егер әке оғада еси төмен болса, оның баласы бундай болмайды (бул жерде тәбият ақылға сай жол тутқан ).

Әкениң ақылы генетикалық түрде тек қызына ҳәм тек оның ярымы ғана өтеди.

Ер адам анасынан өз гезегинде, оған өзиниң атасынан өткен ақылды мийрас етип алады.

"Гений"диң қызы әкесине уқсап саналы болады - тек тең ярымына. Егер әкениң зейини пәс болса, қызының зейини де еки есе кем болады.


Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

14 Oct, 06:45


☺️ Не ушын Қураны Кәриймнен 1 ҳәрип оқысақ, 10 саўап жазылады ?

Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Аллаҳтың Китабынан бир ҳәрип оқыса, оған бир саўап жазылады, жазылғанда да он есе етип жазылады. «Әлиф ләм мим» бир ҳәрип демеймен. Ал, «Әлиф» бир ҳәрип, «Ләм» бир ҳәрип, «Мим» бир ҳәрип – деди.
Имам Термизий рәўияты.

Егер Қураны Kәриймдеги ҳәриплердиң саны шама менен 340740 дана деп алсақ ҳәм оны 10 ға көбейтсек, нәтийже 3407400 болады.
Егер бизлер ҳәр айда Қуранды бир мәрте хатм етип барсақ, онда Аллаҳтың инаяты менен бир жылда 40888800 дана саўапқа ийе боламыз.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

13 Oct, 13:29


Не ушын дүнядағы ең пайдалы мийўелер ТОП 10 лығын билиўимиз керек

Дүняда ең пайдалы мийўени анықлаў қыйын, себеби ҳәр бириниң өзине тән пайдасы бар. Лекин ең жақсыларын рейтингин дүзиў мүмкин. Дүня илимпазлары тәрепинен ең пайдалы деп табылған мийўелер ТОП-10 лығы менен танысың :

1. Алма
2. Әнар
3. Киви
4. Хурма
5. Банан
6. Авокадо
7. Ананас
8. Әнжир
9. Жүзим
10. Апелсин

Үйде жоқарыдағы мийўелерди ҳәммеси болғаны жақсы ямаса ҳеш болмаса биреўи болыўы керек!

Каналымыз | @Ne_ushin

Не ушын

13 Oct, 02:31


Не ушын қан қойыўласады.

Қан инсан организми ушын ең зәрүрли факторлардан бири болып, барлық ишки ағзалар ҳәм тоқымаларды, клеткаларды кислород ҳәм азықлық елементлар менен тәмийинлейди. Қанның қойыўласыўы организмдеги барлық процесслерге тәсир етеди ҳәм түрли кеселликлерди келтирип шығарады. Узақ ўақыт қанның қойыў ҳалда болыўы жүректиң шаршаўына себеп болады ҳәм нәтийжеде инфаркт қәўипи және де асады.

🟠 Организмдеги суўсызланыў процесслери, асқазан -ишек системасындағы созылмалы кеселликлери, стресс, надурыс аўқатланыў, спиртли ишимликлер, зыянлы әдетлер, кемҳәрекетлилик, түрли вирус ҳәм бактериялар қан қойыўласыўына себеп болады.

🔹Сол себепли 40 жастан үлкен инсанларға жылда 2 рет улыўма қан анализи ҳәм қанның суйықланыў дәрежесин тексертириў усыныс етиледи. Егер қан қойыў екенлиги анықланса, тийкарғы кеселликти анықлап емлеў керек.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

12 Oct, 08:25


Не ушын көп адамлар стаканларды кағыстырып ишеди?

Орта әсирлерде адамлардың стаканға зәҳәр салыў қәупи күшли еди. Қағыстырып ишилгенде ишимлик бир стаканнан екинши стаканға өткен, бул зәҳәрлениўдиң алдын алған.

Сол ўақытта стакан кағыстырып ишиўден бас тартқан адам жынаятшы деп қамалған. Бул әдет ўакыт өтип оз мәнисин жойтса да, ҳәзирги күнге дейин сақланып калған.

Каналмыз | @ne_ushin

Не ушын

11 Oct, 05:15


Не ушын бүгин қызлар күни ?

🤗Себеби "Plan International" тәрепинен алдыға сүрилген пикириге көре, қыз баланы қорғаў жәмийеттеги орны ҳәм абройын көтериў, оларға ғамқорлық қылыў керек. Бул пикир жәҳән дәрежесине көтерилди ҳәм ҳәр жылы 11-октябрь күни ҳалықаралық байрам ретинде нишанланып келмекте.

— Бул күни қызларға көмеклесиў ямаса қуўантыў мақсетке муўапық болады.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

10 Oct, 14:47


Не ушын қумшекерди көп жесек семиремиз?

Қумшекер өзи организмге сорымайды.Себеби минераллар, углеводлар хам басқа да элементлерден ажыратып алынған.Соның нәтийжесинде семизликке алып келеди.

Каналмыз | @ne_ushin

Не ушын

09 Oct, 03:19


Не ушын өрт өшириў шелеклери конус формада болады?

Өрт өшириўшилерлер суўға қатнаған ўақытта дем алмаўы ушын шелеклер конус формада болады.

Конус формадағы шелектен суў атылып шығыу тезлиги жокары болады.

Каналымыз @ne_ushin

Не ушын

08 Oct, 12:27


📌 Көк шай ишиў ушын 11 себеп

1.Шай антиоксидантлық қәсийетке ийе;
2.Ол майларды кемейттиреди ҳәм узағырақ физикалық тәрептен актив болыўыңызды тәмийинлейди.
3.Өмирди узайтырады ;
4.Стрессти жеңиўге жәрдем береди;
5.Қан басымын нормаластырады.
6.Егер сиз темеки шексеңиз, өкпени тазалайды ҳәм оны темеки зәҳәринен мүмкиншилиги барынша қорғайды ;
7.Баўырды спиртли ишимликтиң зыянлы тәсиринен қорғайды ;
8.Тис жемирилип кетиўинен сақлайды ;
9.Суйеклер еластиклигин тәмийинлейди;
10.Иммунитетти беккемлейди;
11.Организмдеги суў балансын нормаластырады.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

08 Oct, 08:50


Не ушын мурын қанағанда басты арқаға шалқайтиў шәрт емес?

Бул жүдә кең тарқалған надурыс усыл. Еслеп қалың! Мурыннан қан аққанда сиз отырған жағдайда болыўыңыз, азғана алдыға ийилиўиңиз ҳәм мурын тесигин хлорҳексидин якиводород перикс пенен таза салфетка да жабыў керек.

Егер бас арқаға ийилген болса, қан асқазанға кирип, жөтел ҳәм басқада қолайсызлықлар алып келиўи мүмкин. Бирақ ең баслысы бул жағдайда наўқас қанша қан жоғалтқанын анықлаў мүмкин емес

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

07 Oct, 03:52


Не ушын: Бул пышыққа ҳәйкел орнатылған

Шотландияда Towser лақаплы пышыққа ҳәйкел орнатылған. Себеби ол өмиринде отыз мыңға жақын тышқан услаған.

Каналымыз: @Ne_ushin