Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты @kketnografiya Channel on Telegram

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты
Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.
Байланыс ушын:
@Allamuratova1512
2,482 Subscribers
3,105 Photos
167 Videos
Last Updated 06.03.2025 00:52

Қарақалпақ Тарихы мен Мәдениеті: Керемет Бұлжымас Мұра

Қарақалпақтар — Орталық Азияның күрделі этнографиялық және мәдени ландшафтында ерекшеленетін халық. Олар негізінен Қазақстан мен Өзбекстанның шекарасында, Арал теңізінің маңында тұрады. Қарақалпақ халқының тарихы терең тамыр тартқан, оның этнографиясы мен мәдениеті бай әрі алуан түрлі. Олардың ұлттық киімі, өнері, дәстүрлері мен тілі — Орталық Азияның көптеген халықтарының мәдениетінде маңызды орын алады. Қарақалпақ мәдениеті ғасырлар бойы қалыптасып, қазақ, өзбек, орыс, және басқа да халықтардың әсерін қабылдап, өзіндік ерекшеліктерімен көркемделген. Бұл мақалада біз Қарақалпақтардың бай тарихы, этнографиялық ерекшеліктері, салт-дәстүрлері және мәдениетінің өзіндік ерекшеліктерімен танысамыз.

Қарақалпақ халқының тарихы қай кезеңдерден басталады?

Қарақалпақ халқының тарихы VI ғасырдан бастап белгілі. Сол кездерде Қарақалпақтар көшпелі өмір көшінде болған, ал олардың атасы көшпенді тайпалармен тығыз байланыста болған. Тарихи деректерге сүйенсек, олар Еділ мен Жайық арасындағы далаларда өмір сүрген.

Орта ғасырларда Қарақалпақтар Соғдия, Хорезм сияқты мемлекеттердің саяси, экономикалық және мәдени өміріне белсенді қатысқан. Бұл кезеңде өңірде мәдени және экономикалық дамудың жоғары деңгейі байқалған. Олар түрлі сауда жолдары бойында орналасқан, сондықтан халықаралық саудаға қатысу мүмкіндіктері мол болған.

Қарақалпақ этнографиясының ерекшеліктері қандай?

Қарақалпақ этнографиясы халықтың өмір салтынан, киімдерінен, тамақтану дәстүрінен, қолөнер мен өнерден көрініс табады. Мысалы, қарақалпақтардың ұлттық киімдері – кең, жеңіл, әрі түрлі-түсті болады. Олар халықтың әлеуметтік жағдайына, жастарына байланысты әртүрлі болып келеді.

Сонымен қатар, Қарақалпақ халқының тамақтану мәдениеті де ерекше. Олардың дәстүрлі тағамдары, мысалы, плов, бешбармақ, және әртүрлі ет тағамдары – ұлттық дәмнің ажырамас бір бөлігі. Халықтың этнографиясында құстар мен аңдарға байланысты әңгімелер мен аңыздар да маңызды орын алады.

Қарақалпақ мәдениетінде салт-дәстүрлердің рөлі қандай?

Қарақалпақ мәдениетінде салт-дәстүрлердің маңызы зор. Әр түрлі мерекелер мен рәсімдер, мысалы, той, неке, әрі туған күндер – халықтың мәдениетін сақтауда негізгі рөл атқарады. Әр дәстүр белгілі бір мәнге ие, халықтың тарихын, көзқарастарын, және өмір сүру тәсілдерін жеткізеді.

Салт-дәстүрлердің ішінде күй, ән, би — халықтың рухани мәдениетінің көрінісі. Қарақалпақ фольклоры, ауыз әдебиеті, және музыкалық дәстүрлері – халықтың мәдени байлығын көрсетеді, сонымен қатар жаңа ұрпаққа олардың мәдениетін жеткізуде маңызды рөл атқарады.

Қарақалпақтардың ұлттық музыкалық аспаптары қандай?

Қарақалпақтардың ұлттық музыкалық аспаптары халықтың мәдениетінде ерекше орын алады. Олардың арасында қобыз, домбыра, даулды және басқа да аспаптар бар. Бұл аспаптар халықтың музыкасын орындауда кеңінен қолданылады.

Кобыз – Қарақалпақтардың ең танымал аспаптарының бірі, ол дәстүрлі әндер мен күйлерді орындауға арналған. Домбыра да халықтың ұлттық музыкасының маңызды бөлігі болып табылады. Бұл аспаптардың көмегімен ұрпақтар арасында ұлттық дәстүрлер мен музыкалық мәдениет беріледі.

Қарақалпақ халқының ұлттық киімдері қандай?

Қарақалпақ халқының ұлттық киімдері түрлі-түсті, сәнді әрі қолайлылығы мен ыңғайлылығымен ерекшеленеді. Ер адамдардың киімдері көбіне жейде, шалбар және сыртқы киімдерден тұрады, ал әйелдердің киімдерінде көйлек, белдемше және түрлі әшекейлер болады.

Ұлттық киімдер эстетика мен функционалдылықты үйлестіреді. Олар қоршаған ортаға сәйкес келетін табиғи материалдардан жасалады. Сәнді элементтер мен ою-өрнектер ұлттық мәдениеттің байлығын көрсетеді.

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты Telegram Channel

Каналды таныстыру: "Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты" - бұл каналда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып боласыз. Бұл канал арқылы Қарақалпақ халқының тарихы және культүрі туралы білім алуға болады. Қарақалпақ халқының ең белгілі тарихи оқиғалары мен мәдени құрамдасымен танысу мүмкін. Каналға қосылу үшін: @Allamuratova1512

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты Latest Posts

Post image

<<АЙДЫНЛАР>> ансамблиниң тарийхы ҳаққында Qaraqalpaqstan MTRK иниң <<DIYDAR NESIP>> көрсетиўинде. 4-март, 2025-жыл.

t.me/kketnografiya

05 Mar, 09:57
905
Post image

Абдикадир Каипов:
ДӘСТҮРЛЕР ҲАҚҚЫНДА ПИКИРИМ

Бет ашар әсирлерден әсирлерге киятырған миллий дәстүримиз. Заманға байланыслы салт-дәстүрлеримиз де өзгеше түс алып бармақта.
Биреўлер келиншектиң аяқ кийимин урлаў дәстүри ата-бабаларымызда болмаған дейди. Бул дәстүр бурын да болған. Бирақ келиншектиң аяқ кийими урланса той тоқтатылған. (Байман атам 1902-жылы туўылған ҳәм Султамурат атамнан 1898-жылы туўылған алынған мағлыўмат).
Келиншектиң қыз ўақтында жолы бузық болған жағдайда ғана аяқ кийимин бурынғы "жәзман"лары урлаўға ҳәрекет ислеген, хабардар жеңгелери масқарашылықтың алдын алыў ушын "жәзман"ларына аўыз бастырық берген.
Ҳәзирги ўақытта сол иллет мода дәстүрге айланып кетти.
Мен өзимниң баламның тойында бул иллеттиң түп тийкарын түсиндирип, егер келиншектиң аяқ кийимине асылған жорасын қаматаман деп шәрт қойдым. Аяқ кийим урланбай тыныш өтти.
Бир тойдың гулянкасында аяқ кийим урлаўға келген балларға келиншектиң өзи аяғын тутқанын көрип, жағамды усладым. Биринши Президентимиз И.Кәримов "Өтмишин билмеген халықтың келешеги жоқ" деп еди. Сол айтқандай пул ушын болар болмас иллетлерди салт-дәстүрге қоса бермеў керек.

Әбдиқадир Қайпов

https://t.me/ibratli_sozler

Дәстүр емес қылықлар яки
артықша шығынлар


Тойда келинниң туфлийин күйеў баланың жоралары урлайды ҳәм оны қайтарып бериў ушын мурындық апасынан я басқа жақынларынан ақша талап етиў деген турпайы әдет тек ҳәзирги заманда емес, бурынғы дәўирлерде де (Европа мәмлекетлеринде) бар болған екен. Бирақ, ондай қылықтың келип шығыўы түп дерегинде бурыннан басқаша бир мәниси бар болған.

Сораў: Келинниң аяқ-кийимин жасырыў әдети тийкарында қандай мәнисти билдиреди? Негизи келинниң аяқ кийимине ким жармасып, жасыратуғын болған? Не ушын урлайтуғын болған?

Жуўап: Егер келинниң аяқ кийими урланса онда той тоқтатылған. Өйткени, буның астарындағы мәниси келинниң қыз ўақтындағы жүрген жолы, тәрбиясы таза емес дегени. Аяқ кийимин урлайтуғынлар оның бурынғы ойнасы, кеўиллеси екени. Ал, жасырын масқарашылықтан хабары бар жеңгелери аяқ кийим урыларына сырды әшкараламаў ушын аўызбастырыққа сорағанын берген.

Биз билмеген мағлыўмат пенен бөлискени ушын Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы Поэзия кеңесиниң баслығы, Орайлық Азия Жазыўшылары ҳәм тарийхшылары аўқамының «Туран бирлиги-Мықлы қәлемгер» медалының ийеси Әбдиқадир аға Қайыповқа рахмет айтамыз.

Жуўап жоллаўда белсендилик еткен бәршеге алғысымыз шексиз!👏

Мине, енди буның түп мәнис мағынасын билдик. Алдынлары билмей урлап, урлатып жүрген болсақ ҳеш гәп. Енди буннан буяғына түп дереги туўралы билип, түсинип отырып тағы даўам етсек, онда дым обалымыз жоқ болғаны.
Және бир айта кететуғын нәрсе, ҳәзир айырым жерлерде келинниң дүньясы, көрпе төсек, буйымлары жүкленген машыннан жүклерин түсириўди күйеў баланың жоралары атқарады, оған 500,000 -1,000,000 сум әтирапында сораған, берилген жағдайлар да ушырасады екен. Қызық, сонда олар жора ма я тойынғаннан қутырған өзин өзи тонаўшы ма? Олардың орнына талапкер еки жигитти шақырып, ырабайы менен ҳақысын төлегенде 20 минутқа апармай шарт-шурт етип таслайды. Өзи той дегенге жора деген садағаң кетейинлер қалыс хызмет етиў ушын келмейтуғын ба еди, негизи? Саналы ойланатуғын ўақытқа жеткен шығармыз қалайда?!

Ҳәзир МПЖ, АПЖ да аўыл бийлери, көше бийлери, бий апа, бий бала деген ўазыйпалы хызметлер қайта тикленип атыр, оларға көп ўәкилликлер, жуўапкершиликли жумыслар тапсырылмақта. Ендиги жағында той-тамаша, жақсы нийетли күнлеримизде усындай айырым "салының ишиндеги шигин" қылықларды сапластырып, қадағалап, түсиндирип, гүжип әдетке айланып кетпеўине басшылық етеди, қосшылық етеди деп ойлаймыз.

Шамшырақ Сарқырама

дерек: Қарақалпақ Байтереклери.

https://t.me/ibratli_sozler

t.me/kketnografiya

03 Mar, 18:16
5,647
Post image

<<Тойда келинниң туфлийин урлаў дәстүр ме?>>

t.me/kketnografiya

03 Mar, 18:16
1,458
Post image

<<ДӘЛИ, ДӘЛИ ЖИГИТ>>~СӨЗЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА>>

       <<Қыз-келини туўған айдай,
           Жигитлери дәли келер>>
               [И.Юсупов. "Аўыл, аўыл, аўыл" қосығынан].

         Тилимизде <ДӘЛИ, ДӘЛИ ЖИГИТ>> деген сөзлер ушырасып, бул сөзлер бойынша  ҳәр ким ҳәр қыйлы түсиникке ийе. <<Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзиги>>нде бул сөзге төмендегише сыпатлама бериледи:
        <<ДӘЛИ~келб. Сақый, төкпе, йошлы>>  "Дәли жигит. Әндийшели ис питкермес. Майданда дәли болмаса" [Мақтымқулы]. Бул келтирилген мысаллар бойынша <<ДӘЛИ, ДӘЛИ ЖИГИТ>>~деген атқа ийе болған ер жигит сақый, жомарт, қолда барын кисиден аямайтуғын, йошлы, сынақлы күнлер басқа туўғанда басын тигип туратуғын мәрт жигитти түсинемиз.

        ДӘЛИ, ДӘЛИБАЙ~деген ер адамлар атлары да бизде жийи ушырасады: Дәли Назбергенов, Дәлибай Мәмбетмуратов т.б.

        Бурынлары ел ишинде <<ДӘЛИ>>~деген мақтаўлы атқа ийе болған жигитлер таза кийинип, өзин пардозлап, етек-жеңи жыйнақлы, сыпайы, өзгеше мәдениятлы, салмақлы, паң, кербаз минезлери менен журттан өзгешеленип, сақыйлық, жомартлық, алғырлық, билимданлық қәсийетлери менен көзге түскен жигитлер ылайықлы болған. Дәли жигитлер өнерли, йошлы, ойын-заўыққа бейим, аңшылық, шабандозлық, палўанлық, саз шертиў уқыбы күшли, рети келгенде айтысқа қатнасып қосық та шығара билетуғын өнерлер бир басынан табыла билетуғын <<Сегиз қырлы, бир сырлы>> болып, қасына ерип жүретуғын жора-жолдаслары да өзине сай өнерпаз топардан болған.

         <<ДӘЛИ>>~сөзи тек ер жигитлерге қолланылып, <<ДӘЛИ ЖИГИТ>>~ер жигиттиң жомартлығы, мәртлиги, ҳәр тәреплеме өнерлилигин билдириўши мақтаў, марапатлаў сөзи түринде қолланылған.
       <<ДӘЛИ ЖИГИТ>>~диянатлы, мәрт, бир сөзли, ҳәр қандай иске жуўапкершилик пенен қарайтуғын, сөз берсе ләбизинде тура алатуғын, сыр сақлай билетуғын, достының басына ис түскенде де, жақсы күнлеринде де ақырына дейин бирге бола билетуғын, Досқа, Жора-жолдасқа садық Ер жигитке айтылатуғын, халықтың сүйиспеншилигин билдиретуғын марапатлаў сөзи.

Дәли халықдур шайыр деген,
Сыр гизнемес кеўлиндегин,
Нийетим~ҳақ, сөзим~тегин,
Кир жоқ кеўил сандығында,--деп шайыр И.Юсупов шайырлық өнериндеги дәлилик ҳаққында айтса, Мақтымқулы:  --<<Әндийшели ис питирмес. Майданда дәли болмаса>>--деп, "майданда мәрт, дәли жигитлер болмаса машқалалар шешилмес,"---деп дәли жигитлерди тәрийиплейди. Бул жерде еки шайыр  дәли жигитлерди еки қырынан сыпатлама берип отыр.
Атақлы бақсы Қаражан Қабулов та өз заманының дәли жигитлериниң бири болған. Ол ҳаққында жазыўшы Муратбай Нызанов төмендегише сыпатлама береди:
   ......Ол жасында саз шертиўди, дуўтапды сазлаўды, сазлап ат миниўди, ел қыдырған өнерпаз, сазенде, ғошшақ жигитлерден:  сазлап кийим кийетуғын, Дуўхат шапан, Мәшкеби шапан, Мөрели шапан, Дөнбе шапан, Параўызлы шекпен, елтири тон, Түрме белбеў, жипек шай қалтв т.б. нағыслы кийим-кеншекти кийиўди жақсы көрген",---деп жазады. [<<Қарақалпақлар>>, 409-бет].

       Дәли жигитлер қарақалпақтың ҳәр бир аўылынан табылады: ҳәм шабандоз, ҳәм палўан, оған қоса бақсышылық өнери, мәртлиги, сақыйлығы менен аты шығып атырған ер жигитлер---қарақалпақтың нағыз "дәли жигитлери".

        Ертеректе балетмейстр Полат аға Мәдрейимов сахналастырған <<Дәли жигит>>  ойыны сахнаға  қойылды. Бул ойындағы дәли жигит жеңилтек, өз келиншеги бола турып, басқа қыз-келиншеклерге көз таслайтуғын турақсыз, опасыз жигит ретинде сүўретленип, соңынан ҳаялы оның сырын билип қалып, изинен келип жазалайтуғын мазмундағы сюжетли ойын. Бул жерде балетмейстр жигитти <<сыртта өзин  "дәли жигит" етип көрсетиўши, жеңилтек жигитлердиң соңында масқарасы шығатуғынын>>  юморлық көринислер берип сахналастырғанын түсиниўге болады. [Темаға байланыслы берилген сүўрет усы ойынның сахналық көринисинен].

Shahzoda Allamuratova

t.me/shahzoda_allamuratova

03 Mar, 15:13
604