Жақсы көрилиўди қәлейсиз бе?
- Басқаларды тыңлаўды үйрениң, сәўбетлесиңиздиң сөйлеў еркинлигин шеклемең;
- Кемтар болың. Себеби кемтарлық сүйкимли болыўдың ең тәсирли жолы;
- Ҳә дегенде мақтаў еситиўди қәлеўиңизди шетке сүрип, руўханландырыўды, басқаны да мақтаўды үйрениң;
- Барқулла көтериңки кейпиятта жүриў қыйын, бул түсиникли. Бирақ, қолдан келгенинше ғам-тәшўишиңизди жасыра билиң;
- Сын пикир айтылса дурыс қабыллаўды үйрениң;
- Ашық жүз, шийрин сөз кеўиллер гилти;
- Мудамы биринши сәлем бериўге ҳәрекет етиң, соң ҳал-аўҳал сорасың;
- Ағайин-туўғанлар менен тез-тез барды-келди қатнасықларын жақсы жолға қойың, қоңсы-қоба, таныс-билислер менен жақсы мүнәсибетте болың.
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube