Қарақалпақстан ҳаўазы @qaraqalpaqstan_xawazi Channel on Telegram

Қарақалпақстан ҳаўазы

@qaraqalpaqstan_xawazi


Керекли мағлыўматларды сизге жеткерип барамыз. Сын мақалалар ҳәм жеке пикир.

Реклама: @Sadaxaliq_bot

Қарақалпақстан ҳаўазы (Uzbek)

Қарақалпақстан ҳаўазы канали - бу сизга КенОқалпақстан мамлакатидаги янгиликлар ва маълумотларни тақдим қилиш учун янги ва олдиндан кашкада ишловчи канал. Бу ерда сиз антиаддан аниқ ва муддатли маълумотларни топишингиз мумкин. Қарақалпақстан ҳаўазы каналида сын пикирлар ва анализлар ҳам мавжуд. Шунингдек, каналда сиз учун тегишли реклама ва ривожлантириш имконияти мавжуд. Биз барча турдаги ўзбек юзалишларни қўллаб-қувватлаемиз. Бизга қўшилмаган бўлмаслик учун Карақалпақстан ҳаўазы каналига обуна бўлин ва тезда янгиликларни кўринг!

Қарақалпақстан ҳаўазы

10 Feb, 10:22


Нөкисте биринши қар ❄️

Қарақалпақстан ҳаўазы

05 Feb, 15:56


❗️Нөкистеги бақшада жүз берген ўақыя Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы қадағалаўына алынды

Қарақалпақстан ҳаўазы

01 Feb, 03:32


Жәрдем берейик дослар!

Ассалаўма Әлейкум меҳирлы коллар!
Ибайдуллаев Жандос нәрестемиз ушын, алдымен Алладан, кейин сизлерден  жәрдем сорамақшымыз.
Бөпемиз ҳәзир 2-айлык, 1 ярым айдан бери бармаған емлеўханамыз жоқ.

ТАШКЕНТ "БАЎЫР СЕРРОЗЫ" деп, Туркияға Трансплантатсия операциясына жиберип атыр. Бирақ қолымыз келтелик қылып, пулымыз жетпей тур.
Сизлерден илтимас нәрестемиз ушын бизге жәрдем бериң 🙏

🔹Uzcard: 8600 0609 5337 8552
Tursinbaeva Albina
🔹Humo: 9860 0824 6782 7349
Biybijan Shannazarova
🔹Каспи: 8747 692 02 06
Ziiyada E
☎️ Тел: +998972404020

Бизге қылган көмегиңиз, жәрдемиңиз ушын, Алла разы болсын сизлерден! 🤲

Қарақалпақстан ҳаўазы

27 Jan, 13:37


Өткерип жибермең: UzAirways бәрше жөнелислерге 30% процентлик шегирме бермекте

🛩 Компания өзиниң 33 жыллық мүнәсибети менен тек ғана 28-январь күни саат 00:00ден 23:59ге шекем бәрше сәнелерге 30% процентлик шегирме жәриялады.

Арзан билетлерди компания авиакассалары ҳәм uzairways.com сайты арқалы сатып алсаңыз болады

Қарақалпақстан ҳаўазы

20 Jan, 08:49


Жәмийетлик транспорт хызметин жақсылаў мақсетинде Нөкис қаласына жаңа автобуслар алып келинди

Елимизде барлық тараўлар қатарында транспорт тараўында да көплеген жаңаланыўлар менен өзгерислер әмелге асырылып, халқымызға хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгин усы жумыслардың даўамы сыпатында Нөкис қаласына «Сапсан Транс Нукус» ЖШЖ тәрепинен дерлик 11 млрд. сумлық қаржы есабынан лизинг тийкарында 12 дана заманагөй автобуслар Қытай мәмлекетинен алып келинип, пайдаланыўға тапсырылды.

Қарақалпақстан ҳаўазы

09 Jan, 12:47


⚡️ Нөкистен Қытайға (Урумчи) автобус қатнаўлары жолға қойылмақта.

Транспорт министрлиги

Қарақалпақстан ҳаўазы

31 Dec, 17:56


Жоқарғы Кеңес Баслығы шаңарақ ағзалары менен Жаңа жыл шыршасында халқымыз бенен бирге.

Қарақалпақстан ҳаўазы

31 Dec, 15:04


Бәрше каналымыз гүзетиўшилерин кирип киятырған жаңа 2025-жыл менен қутлықлаймыз!

Таза жылда бәршеңизге ең жақсы тилеклерди тилеп қаламыз. Биз бенен болғаныңыз ушын рахмет. Сизлерсиз биз хешким емеспиз!


Ҳүрмет пенен, “Қарақалпақстан ҳаўазы” телеграм каналы администрациясы.

Қарақалпақстан ҳаўазы

27 Dec, 07:53


Нөкис көшелерин қарбаба ҳәм қарқызлар басып кетти.

Қарақалпақстан ҳаўазы

26 Dec, 06:14


- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қаржы - экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары - экономика ҳәм қаржы министри лаўазымына Ерлепесов Нуруллан Умирзакович;

- Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, тосқынлықларсыз орталық жаратыў, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Даулетияров Шухрат Қыдырбаевич;

- Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - Аўыл хожалығы министри лаўазымына Тешаев Шуҳрат Жўрақулович;

- Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри лаўазымына Жоллыбеков Владимир Бахтиярович;
- Министрлер Кеңеси Баслығының туризм, спорт, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалабалық коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Зарикеев Расул Полатович;

- Министрлер Кеңеси Баслығының жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына Отемуратов Байрамбай Пердебаевич;

- Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары лаўазымына Нуразизов Раджапбай Купалбекович;

- Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы лаўазымына Ахмедова Марьям Халилаевна тайынланды.

Қарақалпақстан ҳаўазы

25 Dec, 13:07


Күн фотосы 📸

Аманбай Орынбаев Тақыятас «Балалар үйи»нде тәрбияланып атырған балаларға Президент саўғаларын тапсырыў ҳәм жаңа жыл байрамы менен қутлықлаў ушын барды.

Қарақалпақстан ҳаўазы

25 Dec, 11:43


ТАЙЫНЛАЎЛАР

Шлымбетова Мухаббат Емжаровна - Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Мектепке шекемги билимлендириў мәселелери бойынша министр орынбасары лаўазымына;

Хасанов Омирбай Бекбаулович -Нөкис районы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына;

Отежанов Женгисбай Жиенбаевич - Нөкис қаласы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Қарақалпақстан ҳаўазы

25 Dec, 11:17


ТАЙЫНЛАЎ

Исмаилов Қадирбай Сапарниязович - Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Руўхий-ағартыўшылық ислери бойынша министр орынбасары лаўазымына тайынланды.

Қарақалпақстан ҳаўазы

25 Dec, 09:10


Самолёт бортында 62 жолаўшы ҳәм 5 экипаж ағзалары болған. Ҳәзирги ўақытта апатшылықта аман қалған 28 жолаўшы вертолётлар менен емлеўҳанаға алып кетилген.

Токаев Астанадан Ақтаўға тәжрийбели шыпакерлерди жибериўге тапсырма берди.

Қарақалпақстан ҳаўазы

25 Dec, 08:42


Қазақстанның Ақтаў қаласы жақынында Бокудан Грознийға ушып баратырған самолёт апатшылыққа ушырады

Қарақалпақстан ҳаўазы

24 Dec, 06:35


⚡️Tayınlaw

Aminov Alisher Madiyarovich – Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń Jergilikli sanaattı rawajlandırıw máseleleri boyınsha sekretariatı baslıǵı lawazımına tayınlandı.

Ayımbetov Abdulla Amidullaevich – Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń Múrájatlar menen islesiw bólimi baslıǵı lawazımına tayınlandı.

Қарақалпақстан ҳаўазы

24 Dec, 05:10


Бүгин декабрь айының 24-сәнеси Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни қабыл етилгенине 31 жыл толды

🗓1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XIV сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.

Бәрше ўатанласларымызды Мәмлекетлик Гимнимиз қабыл етилген күн менен шын жүректен қутлықлаймыз! Ҳәмийше Гимнимизди қолымызды көксимизге қойып толқынланып айтып жүриў несип еткей. Байрам мүбәрек!

Гимнниң сөзи: Ибрайым Юсупов;
Гимнниң намасы: Нәжиматдин Муҳаммеддинов.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Қарақалпақстан ҳаўазы

20 Nov, 09:16


2025-жыл — «Қоршаған орталықты асыраў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланды.

Қарақалпақстан ҳаўазы

20 Nov, 09:14


Абдулла Арипов Өзбекстан Республикаси Бас министри лаўазымына сайланды

Жасырын даўыс бериў жолы менен депутатлар оны үшинши мүддетке бас министр лаўазымына мақуллады.

Қарақалпақстан ҳаўазы

19 Nov, 08:57


Танзила Нарбаева Олий Мажлиси Сенаты баслығы лаўазымына;

Содик Сафоев Сенат баслығының биринши орынбасары лаўазымына;

Аманбай Орынбаев Сенат баслығының орынбасары лаўазымына сайланды.

Қарақалпақстан ҳаўазы

18 Nov, 09:03


Dıqqat, dıqqat!🔈🔈🔈

Húrmetli student-jaslar!

🔥Kewil keypiyatıńızdı TOP dárejege kóteriwdi qáleysiz be?

Bu’gin, 18-noyabr kúni saat 16:00 de paytaxtımız orayındaǵı ǵárezsizlik arkası janında keń kólemli gala-koncert hám «DJ-shou» baǵdarlamasın shólkemlestirip atırǵanın xabarlaymız.

Gala-koncertte qaraqalpaq estradasınıń jarqın juldızları qulaǵıńızdıń qurshın qandırıwına kepillik beremiz hám barlıq student-jaslardı «STUDENT PARTY»de kútip qalamız!

Baǵdar: «Baxıt úyi» imaratı aldında.

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook

Қарақалпақстан ҳаўазы

16 Nov, 16:26


📍XALQÍMÍZ TÁREPINEN KÓPTEN KÚTILGEN TARÍYXÍY FILM PREMYERASÍ BÚGIN QARAQALPAQSTAN KÓRKEM-ÓNER SARAYÍNDA JOQARÍ DÁREJEDE BOLÍP ÓTTI !!!

- ÁLBETTE XALQÍMÍZDÍŃ QARAQALPAQ KINOSÍNA DEGEN ÍQLASÍ SONSHELLI KÚSHLI EKENLIGINEN KINOTEATR ZALÍNA TAMASHAGÓYLER SÍYMAY QALDÍ.

- SOL SEBEPLI ERTEŃ SAAT 15:00 HÁM 18:00 DE “ÁJINIYAZ” FILMI XALQÍMÍZĠA BIYPUL INAM ETILEDI.


🌐 instagram ✈️ telegram 🌐 sayt 📹 youtube

Қарақалпақстан ҳаўазы

16 Nov, 14:24


Бүгин "Әжинияз" көркем-публицистикалық фильминиң премьерасына кире алмай қалғанлар ушын, ертең және фильм қойып берилетуғынлығы мәлим болды.

Фильмға халқымыз тәрепинен қызығыўшылық жүдә жоқары дәрежеде. Зал толып кеткен, отыратын емес, туратуғында орынлар жоқ

Қарақалпақстан ҳаўазы

16 Nov, 06:02


Бозатаў районы ҳәкими тайынланды

Бүгин 16-ноябрь күни халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Сессия күн тәртибинде Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў, Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Режесин тастыйықлаў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Бозатаў районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы бийлигин тастыйықлаў мәселелери көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда Бозатаў районы ҳәкими лаўазымына Уббиниязов Батырбек Онгарбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Уббиниязов Батырбек Онгарбаевич Бозатаў районы ҳәкими етип тайынланды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Б.Уббиниязов мийнет жолы даўамында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен.

Ол бүгинги күнге шекем Мойнақ районы ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.

Усыныӊ менен халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан ҳаўазы

16 Nov, 05:15


⚡️Бүгин "Әжинияз" көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтеди

"Қарақалпақфильм" киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған "Әжинияз" көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында өткериледи.

Қарақалпақстан ҳаўазы

16 Nov, 04:45


Бозатаў районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында халық депутатлары районлық Кеңесиниң шөлкемлестириў мәселесине арналған биринши сессия басланды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнаспақта.

Қарақалпақстан ҳаўазы

09 Nov, 15:15


Қарақалпақша “Baursak party”

Қараөзек районы.

Қарақалпақстан ҳаўазы

09 Nov, 10:03


⚡️"Әжинияз" көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтеди

"Қарақалпақфильм" киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған "Әжинияз" көркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтеди.

Фильм премьерасы 16-ноябрь күни саат 18.00де Қарақалпақстан көркем өнер сарайында өткериледи.

Премьераға кириў бийпул

Қарақалпақстан ҳаўазы

08 Nov, 11:31


Qádirli watanlaslar!

Jer, múlk, turaq jay menen baylanıslı qatnasıqlar tariyxıy qádiriyatımızǵa aylanǵan. 2024-jıldıń 5-avgust sánesinde Mámleketimiz basshısı watanlaslarımız ushın áhmiyetli bolǵan jáne bir tariyxıy Nızamǵa qol qoydı.
Búgin 8-noyabrden millionlaǵan watanlaslarımız kútken "Ózbasımshalıq penen iyelep alınǵan jer uchastkalarına jáne olarda qurılǵan imarat hám obyektlerge bolǵan huqıqlardı tán alıw haqqında"ǵı nızam kúshke kiredi.
2024-2025-jıllar ushın tastıyıqlanǵan reje-garfik tiykarında máhállelerde kadastr xızmetkerleri tárepinen xatlaw jumısları baslanadı.
Nızam kúshke kiretuǵın sánede sizge múrájat etip atırǵanımnıń maqseti "Sergeklikke" shaqırıw!
Uzaq jıllar dawamında ózi jasap atırǵan úyin rásmiylestirip alıwdı niyet etip júrgen hadal insanlar kóp, biraq, jaǵdaydan paydalanıp, nızamsız jollar menen dáramat tabıwdı rejelestirip atırǵan "aldawshılar" da joq emes.
Sizlerdi bunday ǵárezli niyettegi adamlardıń hár qanday sóz hám wádelerine isenbewge shaqıraman!
Birinshiden, máhálleler anıq tastıyıqlanǵan reje-grafik tiykarında xatlawdan ótkeriledi. Biri qalıp ekinshisine ótilmeydi, yaǵnıy xalıq tilinde aytqanda "tezlestiriwdiń imkaniyatı joq!."
Ekinshiden, xatlawdan keyin "E'TIROF" baǵdarlamasına kirgizilgen hár bir jaǵday boyınsha 15 ten aslam ministrlik hám uyımlardıń juwmaqların beredi hám kosmoslıq súwretler járdeminde talqılanadı.
Xalıq tilinde aytqanda "imkaniyatın qılıp ótkerip bolmaydı!."
Úshinshiden, xatlaw procesinde nızam menen anıq belgilep berilgen 8 kategoriyaǵa kiretuǵın jaǵdaylar úyreniledi. Házirgi waqıtta iyelep alıp, qurılıs qurıwdı rejelestirip atırǵanlar juwapkershilikke tartıladı hám bul jumıslar da málimleme sistemaları arqalı qadaǵalanadı. Xalıq tili menen aytqanda "tanıs-bilisshilik ótpeydi!."
Qádirli watanlaslar, hár qanday jaǵdayda aldawshılıq, dámegóylik yamasa korrupciya jaǵdaylarına dus kelseńiz huqıq qorǵaw uyımlarına xabar beriń.
Bul Nızamnıń ádil hám nátiyjeli orınlanıwı hámmemizge birdey baylanıslı ekenin umıtpayıq.

Қарақалпақстан ҳаўазы

07 Nov, 05:32


Қоңырат районында қар жаўып атырғанлығы айтылмақта.

Қарақалпақстан ҳаўазы

06 Nov, 11:27


ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ БИРИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы даўам етпекте.

Буннан кейин сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қурамын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша усыныс бериў ушын сөз Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановқа берилди. Көрилген мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Сенатының ағзаларын сайлаўды усы жылдың 11-ноябрь күни өткериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Сайлаў Кодексине муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери депутатлары Қоспа мәжилисиниң мәсләҳәт кеңеси ағзалығына талабан усыныў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Мәсләҳәт кеңеси ағзалығына талабан етип 45-санлы “Шоманай” сайлаў округинен депутат Улығбек Жалменовтың кандидатурасы усынылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан ҳаўазы

06 Nov, 10:52


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы даўам етпекте.

Сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 70-статьясына ҳәмде «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Нызамның 14-статьясына муўапық 47-санлы «Санаат» сайлаў округинен депутат Сапарбаев Рустам Турсынбаевич жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары етип сайланды.
Бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитетлерин ҳәм комиссиясын дүзиў, олардың қурамын ҳәм баслықларын сайлаў ҳаққында мәселе көрип шығылды.

Депутат Сейтназаров Бердибек Аметбекович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң баслығы;

Депутат Атажанов Алишер Ерпулатович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы;

Депутат Сдиков Исламбек Муратбаевич Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы;

Депутат Атамуратов Мурат Утепбергенович
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы;

Депутат Жуманазаров Ануарбек Жолдасбаевич Жоқарғы Кеңестиң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы;

Депутат Өтемисов Шарапат Жаңабаевич Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәмде мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитетиниң баслығы;

Депутат Каримов Кеңесбай Айтмуратович Жоқарғы Кеңестиң Регламент ҳәм депутатлық әдеплилик мәселелери комиссиясының баслығы етип сайланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан ҳаўазы

06 Nov, 08:13


⚡️Фарҳод Эрманов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына тайынланды

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына Ф.Эрмановтың кандидатурасы усынылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен сессияда Ф.Эрманов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы етип тайынланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессия өз жумысын даўам етпекте.

Қарақалпақстан ҳаўазы

06 Nov, 08:11


⚡️ Аманбай Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына сайланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы басланды.

Сессияға депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери, министрлик, мәкеме басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнаспақта.

Атап өтилгениндей, 30-октябрь күни жәрияланған Жоқарғы Кеңесине сайлаў нәтийжелерине бола, депутатлар қурамы 63 процентке жаңаланды.

Күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги сиясий партиялардың фракцияларын дизимге алыў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясында сайланған Ақсақаллар кеңесиниң мәжилиси өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына 57-санлы «Бердақ» сайлаў округинен депутат Орынбаев Аманбай Тлеубаевичтиң кандидатурасы усынылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен сессияда жасырын даўыс бериў жолы менен 57-санлы «Бердақ» сайлаў округинен депутат Орынбаев Аманбай Тлеубаевич Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы етип сайланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан ҳаўазы

06 Nov, 08:05


Үй алыў ушын субсидия алыў жəне де аңсатласты

Ендиликте, субсидия алыў ушын мүрәжат еткен арза бериўшиниң қəлеўине көре оның дəраматларына ол менен бирге жасамайтуғын жақын ағайынлериниң дəраматлары да киритилиўи мүмкин.

Қарақалпақстан ҳаўазы

06 Nov, 07:10


Доналд Трамп АҚШ президентлик сайлаўларында жеңиске еристи - The Hill

Қарақалпақстан ҳаўазы

02 Nov, 09:30


🌟Нөкисте 92 млн сомлық марафон өткериледи

Марафон усы жылдың 10-ноябрь күни Дослық гүзары ҳәм А.Досназаров көшелери аралығында болып өтеди. Жойбар «Узбекнефтегаз» көмегинде ProRun тәрепинен әмелге асырылмақта.
Қатнасыў суммасы 50 000 сом.

Жеңимпазлар не алады?

🏃‍♀🏃 5 км аралықтағы жеңимпазлар (ер адамлар ҳəм ҳаяллар):
🥇 1-орын - 3 млн сом + тəрбияшысына 1,5 млн сом;
🥈 2-орын - 1,5 млн сом + тəрбияшысына 750 мың сом;
🥉 3-орын - 1 млн сом + тəрбияшысына 500 мың сом;

🏃🏃‍♀21 км аралықтағы жеңимпазлар (ер адамлар ҳəм ҳаяллар):
🥇 1-орын - 8 млн сом + тəрбияшысына 4 млн сом;
🥈 2-орын - 6 млн сом + тəрбияшысына 3 млн сом;
🥉 3-орын - 4 млн сом + тəрбияшысына 1,5 млн сом;

🏃🏃‍♀ 10 км аралықтағы жеңимпазлар (ер адамлар ҳəм ҳаяллар):
🥇 1-орын - 4 млн сом + тəрбияшысына 2 млн сом
🥈 2-орын - 2 млн сом + тəрбияшысына 1 млн сом;
🥉 3-орын - 1 млн сом + тəрбияшысына 500 мың сом🏆

Ҳәр бир қатнасыўшыға: 
🏅 Медаль;
👕 Бренд футболка;
🎒 Қатнасыўшы рюкзагы;
🔢 Ўақыт есаплайтуғын чипли номер бериледи.

Тарийхта биринши рет! Ҳәм қатнасыўшы ҳәм оның тəрбияшысы сыйлықланатуғын марафон!

Марафонда қатнасыў ушын төмендеги силтемеге өтиң 👇
https://prorun.uz/competition-detail-present/40

Қарақалпақстан ҳаўазы

27 Oct, 06:23


Президент Шавкат Мирзиёев шаңарақ ағзалары менен бирге сайлаўда даўыс берди.

Қарақалпақстан ҳаўазы

26 Oct, 07:55


Қоңыратта халықаралық әҳмийетке ийе жолдың 240 километри пайдаланыўға тапсырылды

Қоңырат районы аймағындағы халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нѳкис-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километрли цемент-бетон қапламалы бөлеги пайдаланыўға тапсырылды.

Жойбардың улыўма баҳасы 383,4 млн АҚШ доллорына тең болып, қурылыс жумыслары 2020-2024-жыллары даўамында әмелге асырылған.

Қарақалпақстан ҳаўазы

23 Oct, 16:43


АҚШ елшиханасы Қарақалпақстандағы Халифа Ережеп мақбарасы ушын 80 мың доллар ажыратты

Америка Қурама Штатлары елшиханасы Қарақалпақстандағы XII әсирге тийисли Халифа Ережеп мақбарасын қайта тиклеў ушын 80 мың доллар ажыратты.

«Бул әҳмиетли естелик арқалы Қарақалпақстанның бай тарийхы ҳәм мәденияты анық көрсетиледи. Бул Қарақалпақстанның терең дәстүрлери ҳәм әййемги руўхын өзинде сәўлелендиреди» деди елши Хеник зыярат орнына сапары даўамында.

Қарақалпақстан ҳаўазы

22 Oct, 05:57


ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Министрлер Кеңеси жанында дүзилген арнаўлы штабқа 24 саат даўамында мүрәжат етиўиңиз мүмкин

Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилген.

Ҳүрметли, пуқаралар!

Егер сизде усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.

⚡️ Қала ҳәм районларда шѳлкемлестирилген гүз-қыс штабларының телефон номерлери

📍 Әмиўдәрья районы 
☎️ 61 515-34-49
☎️ 61 515-32-31

📍 Беруний районы
☎️ 61 524-22-60
☎️ 61 524-26-10

📍 Қараөзек районы
☎️ 61 465-43-69
☎️ 61 465-40-59

📍 Кегейли районы
☎️ 61 412-23-35
☎️ 61 412-25-85

📍 Қоңырат районы
☎️ 61 312-15-42
☎️ 61 312-36-36

📍 Қанлыкөл районы
☎️ 61 332-13-24
☎️ 61 332-17-33

📍 Мойнақ районы
☎️ 61 322-12-97
☎️ 61 322-16-86

📍 Тахтакөпир районы
☎️ 61 435-27-75
☎️ 61 435-27-75

📍 Төрткүл районы
☎️ 61 532-21-30
☎️ 61 532-52-88

📍 Хожели районы
☎️ 61 554-11-26
☎️ 61 554-32-13

📍 Шымбай районы
☎️ 61 444-03-58
☎️ 61 444-33-03

📍 Шоманай районы
☎️ 61 346-24-73
☎️ 61 346-25-39

📍 Елликқала районы
☎️ 61 585-11-49
☎️ 61 585-22-08

📍 Нөкис районы
☎️ 61 424-45-71
☎️ 61 424-45-98

📍 Тақыятас районы
☎️ 61 572-22-91
☎️ 61 572-42-84

📍 Бозатаў районы
☎️ 61 415-36-13
☎️ 61 415-37-03

📍 Нөкис қаласы
☎️ 61 222-88-46
☎️ 61 222-70-79

🕊Telegram

Қарақалпақстан ҳаўазы

16 Oct, 18:55


Қаратерең, Тахтакөпир районы.

🕊Telegram

Қарақалпақстан ҳаўазы

12 Oct, 16:59


Быйылғы 20 килограмлық асқабақ.

Шымбай

🕊Telegram

Қарақалпақстан ҳаўазы

11 Oct, 06:51


Гүзги Нөкис 🍂

🕊Telegram

Қарақалпақстан ҳаўазы

09 Oct, 13:35


Қарақалпақстанда ертеңнен баслап қолда терилген 1 кг пахта ушын 2500 сумнан төленеди

10-октябрь сәнесинен баслап коммерциялық банклер тәрепинен қолда терилген 1 кг пахта ушын 2500 сумнан терим пулларын төлеў белгиленди.

☎️ Егер пуқараларда терим пуллары бойынша мәселе жүзеге келсе арнаўлы штабтың (61) 222 95 25 телефон номерине саат 09:00 ден 22:00 ге шекемги аралықта байланысыў соралады.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

Қарақалпақстан ҳаўазы

08 Oct, 14:33


Каипбеков Парахат Конысбаевич Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри ўазыйпасын атқарыўшысы етип тайынланды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинде республикамыз аймағында транспорт хызметин көрсетиў, тараў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм де шөлкемлестириў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Даулетияров алып барды.

Онда Каипбеков Парахат Конысбаевич Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри ўазыйпасын атқарыўшысы етип тайынланды.

Атап өтиў орынлы, Парахат Каипбеков усы күнге шекем «QQavtotexxizmet» жуўапкершилиги шекленген жәмийети бас директоры лаўазымында жумыс алып барған. Сондай-ақ, мийнет жолы даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларды табыслы атқарған.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

Қарақалпақстан ҳаўазы

08 Oct, 09:32


❗️ Рәсмий мағлыўмат

08.10.2024 жыл сәнесинде саат 12:47 шамасында Нөкис қаласы «Жеке терек» МПЖ аймағында Қарақалпақстанның 60 жыллығы көшеси  номерсиз жайда жайласқан «Нөкис Жайхун» ЖШЖ индеги қурылыс өнимлери қоймаханасында өрт келип шыққан.

Өрт Нөкис қаласы Айрықша жағдайлар бөлими өрт-қутқарыўшылары тәрепинен сапластырылған. Өрт кепсерлеў жумысларын алып барып атырғанда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеў ақыбетинде келип шыққан. Жүзеге келген материаллық зыян сорастырыўлар даўамында анықланады. Ўақыя бойынша дене жарақатын алған ҳәм қайтыс болған пуқаралар жоқ.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

Қарақалпақстан ҳаўазы

08 Oct, 08:46


❗️Нөкис қаласындағы “Ағаш базарда” өрт келип шықты.

Рәсмий мағлыўмат берилиўин күтемиз

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

Қарақалпақстан ҳаўазы

30 Sep, 07:22


Хабарландырыў!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен республикамыз аймағында транспорт тараўында хызмет көрсетиў сапасын жетилистириў, халқымызға транспорт хызметлерин усыныў бағдарында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелий жумыслар алып барылады.

Ҳүрметли пуқаралар!


Қарақалпақстан Республикасы аймағында транспорт хызметлерин усыныў бағдарында ушырасып атырған машқалалар жөнинде мүрәжатларыңыз ямаса, хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў бойынша пикир усынысларыңызды қалдырыў ушын усы жылдың 7-октябрь сәнесине шекем Министрлер Кеңеси жанындағы штабтың 61 222 41 62 телефон номерине азанғы саат 09:00 ден кешки 20:00 ге шекем байланысыўыңыз соралады.

Соның менен бирге Жоқарғы Кеңестиң «Халық мүрәжаты» платформасы (Жүклеп алың) арқалыда мүрәжатларыңызды қалдырыўыңызға болады.

❗️Сизиң берген пикир ҳәм усынысларыңыз арқалы тараўдағы бар болған машқалалардың шешими бойынша арнаўлы жол карта ислеп шығылады ҳәм оларды сапластырыў, халқымыздың тилек өтинишлерин әмелге асырыў илажлары көриледи.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

Қарақалпақстан ҳаўазы

28 Sep, 14:10


Нөкис қаласында спорттың Қол урысы бойынша Профессионал спортшылар арасында «Аралбойы кубогы» халықаралық турнири жарыслары болып өтеди

Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында Қол урысы бойынша Профессионал спортшылар арасында «Аралбойы кубогы» халықаралық турнири жарыслары болып өтеди.

Турнир жарыслары пайтахтымыздағы «Амфитеатр»да шөлкемлестирилмекте.

Спортқа қызығыўшы бәрше Ўатанласларымызды қызғын қарамақарсылықларға бай беллесиўлерге шақырып қаламыз.

Басланыў ўақты: 19:30 да.
Кириў бийпул.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

Қарақалпақстан ҳаўазы

23 Sep, 12:16


Ботир Зоҳидов кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри лаўазымына тайынланды

Мәҳәллебай агентлиги тоқтатылып, оның барлық ўазыйпалары ҳәмде ҳәким жәрдемшилери кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине өтеди.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

Қарақалпақстан ҳаўазы

22 Sep, 17:42


Кеўил билдириў

Усы жылдың 22-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери, белгили мәмлекетлик ғайраткер Худайберген Айманов 68 жасында дүньядан өтти.

Худайберген Айманов 1956-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1973-1974-жылларда Нөкис авиаотрядының жанылғы-майлаў материаллары бөлиминде қоймашы лаўазымында мийнет жолын баслаған болып, 1976-1979-жылларда Нөкис авиаотрядының авиатехниги лаўазымында, буннан соңғы жылларда "Тақыятас нефть базаси" унитар кәрханасының үлкен диспетчери, бас инженери, директоры лаўазымларында жемисли мийнет етти.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында Республикалық "Нефтөнимлери тәмийнаты" кәрханасы директорының орынбасары, 1995-2002-жылларда "Шымбай нефть базасы" унитар кәрханасының директоры, 2002-2003-жылларда "Қарақалпақнефтөнимлери" кәрханасының директоры лаўазымларын табыслы атқарды.

Худайберген Айманов 2003-2004 ҳәм 2006-2009-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт, саўда ҳәм байланыс мәселелери комитети баслығы сыпатында елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында, санаат, қурылыс ҳәм басқа да тараўлардың раўажланыўында, нызам дөретиўшилиги ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели жумыс алып барды.

Буннан соңғы жылларда "Ўзтрансгаз" акционерлик компаниясы "Шимолгазтаъминот" унитар кәрханасы директоры ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымларында ҳәм өмириниң ақырына шекем "Ҳудудгазтаъминот" акционерлик жәмиети "Ҳудудгаз Қарақалпақстан" газ тәмийнаты филиалының директоры лаўазымларында өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарды.

Худайберген Айманов қайсы лаўазымда ислеседе, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши басшы сыпатында таныта билди. Ол республикамыз санаатын раўажландырыўдай үлкен ўазыйпаны атқарыўда өзиниң салмақлы үлесин қосып, бир неше шәкиртлер таярлады. Оның мийнетлери өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери» атағы менен сыйлықланды.

Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили санаат тараўы хызметкери, сиясий-жәмийетлик ғайраткер, үлгили устаз Худайберген Аймановтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси

Қарақалпақстан ҳаўазы

20 Sep, 08:07


Әндижаннан Қарақалпақстанға жаяў жүрип жолға шыққан блогер 52 күнде Нөкис қаласына жетип келди.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

Қарақалпақстан ҳаўазы

19 Sep, 13:20


📣“Jańa Ózbekstan” videorolikler tańlawına qatnasıń hám macbooktı qolǵa kirgiziń!
 
Tańlawǵa professional hám háwesker videograf, mobilograflar qatnasıwı múmkin.
Sawǵalar: 3 jeńimpazdıń hár birine macbook hám 1-orın iyesi «Xoshamet-2024» sıylıǵı menen sıylıqlanadı. 

Videorolik mazmunı:
“Jańa Ózbekstan”da júz berip atırǵan sońǵı jańalanıw hám reformalar, jaslar ushın jaratılıp atırǵan imkaniyatlar, watanǵa muhabbat sezimlerin kúsheytiw, joqarı mánawiyatlı, zamanagóy ilim-pán jetiskenliklerin bekkem ózlestirgen hár tárepleme salamat hám bárkamal áwladtı kámalǵa jetkiziwge qaratılǵan jumıslardı ele de janlandırıw, xalıqlar doslıǵı, milliy idealogiya, tarawlardaǵı túp burılıslar haqqında bolıwı lazım.

Kelip túsken videorolikler kanalǵa jaylastırılıp, xalıq arasında eń kóp dawıs toplaǵan saylandı 10 videorolik komissiya quramına usınıladı.

☝️Esletpe: Tańlawǵa usınılıp atırǵan videolar daǵaza járiyalanǵan kúnnen keyin túsirilgen bolıwı hám 30-oktyabr sánesine shekem @Erjanov_Hakim telegram mánziline jiberiliwi kerek.

Tolıq maǵlıwmat 👉 https://jaslarnews.uz/4986.html

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook

Қарақалпақстан ҳаўазы

16 Sep, 15:27


Қарақалпақстанлы жаслар ушын қосымша квоталар тастыйықланды

Бунда ажыратылған қосымша 10 мың квота кириў имтиханларында 56,7 балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ студентликке усыныс етилмеген абитуриентлер есабынан қәлиплестирилди.

Қосымша қабыллаў параметрлери шеңберинде студентликке усыныс етилген қарақалпақстанлы жаслар усыныс етилгенлик жағдайын my.uzbmb.uz сайты арқалы жеке кабинетинен билиўи мүмкин.

Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелерине таңлаў дизимлери жеткерип бериледи.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

Қарақалпақстан ҳаўазы

15 Sep, 09:43


Шымбай журтына фламинго қусы келиптти 🦩

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi

Қарақалпақстан ҳаўазы

09 Sep, 11:01


❗️Абайлы болың: Мошенниклер пластик карталардан пул шешип алыўдың жаңа схемасын ойлап тапты

Енди олар алдаўшы силтемелерди телеграм емес, смс арқалы жибермекте. Көрсетилген силтемеге басыўыңыз бенен, мошенниклер сизиң карталарыңызды ийелеп алады.

Хабарды жақынларға тарқатың!

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi