Караозек хабарлары @qaraozekhakimligi Channel on Telegram

Караозек хабарлары

@qaraozekhakimligi


https://qaraozek.uz
https://youtube.com/channel/UCciJD2dexkmrWHcvaonwKDQ
https://www.instagram.com/qaraozek_rayoni_hakimligi?igsh=MW5sNjcyZzB5MnI0NQ==
https://www.facebook.com/profile.php?id=61560591980198

@Qaraozekhakimligi_bot

Караозек хабарлары (Uzbek)

Qaraozek хабарлары канали - бу, Qaraozek райони ҳокимиги томонидан муҳокама қилинадиган ҳамкорлик буйича жамоатнинг янгиликларини ёритиш учун яратилган. Каналда райондаги янгиликлар, соҳасига обуна бўлган маҳаллосиликлар раҳбарлари ва истиқлолий ишлар тўғрисида маълумотлар, фотолар ва видеолар кўрсатилади. Qaraozek хабарлары канали Ўзбекистонда ўзини оммавий муаммоларга балиқлаб ишловчи янгиликлар агентлиги сифатида тасвирлайди. Бундан ташқари, канал бошқа социал медиа платформаларида ҳам фаолият юритади, мисоллар учун YouTube, Instagram ва Facebookда ҳам уларни топиш мумкин. Агар сизга Караозек райони ҳамкорлиги ва ишлари бўйича янгиликларни қизиқтиринган бўлса, ушбу каналга обуна бўлинг ва янгиликлар билан танишиқ! Telegram орқали каналга обуна бўлинг ва муайян вақт оралиқда янги янгиликлардан хабардор бўлин!

Караозек хабарлары

26 Nov, 03:45


Qmediadan jańa joybar! Youtube'tıń qaraqalpaq segmentinde Jáyhun atlı ájayıp kanal ashılıptı. Bul kanal túrli tariyxıy temalarda videolar tayarlaytuǵın eken. Tariyxta júz bergen eń qızıqlı hám anıq maġlıwmatlardi usi kanal arqalı taba alasız.

Birinshi sanda elimiz aymaġındaġı dáslepki imperiya haqqında sóz etilipti. Youtube'qa kirip aǵza bolıń, bizdi qızıq kontent kútip atırǵanǵa uqsaydı.

https://youtu.be/BqjTNJp3Tno

Караозек хабарлары

26 Nov, 03:44


Qmediadan jańa joybar! Youtube'tıń qaraqalpaq sigmentinde Aydın atlı ájayıp kanal ashılıptı. Bul kanal túrli tariyxıy hám mádeniy temalarda video tayarlaytuǵın eken. Bunnan tısqarı ekonomika hám psixologiya boyınsha da videolar shiǵarıladı.

Birinshi sandı Nókisdegi Savickiy muzeyinen baslapdı. Youtube'qa kirip aǵza bolıń, bizdi qızıq kontent kútip atırǵanǵa qusaydı.


YouTube | Instagram | Telegram

Караозек хабарлары

26 Nov, 03:43


Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: янги чақириқ парламент ўз ишини бошлади, Ўзбекистон Бош вазири тасдиқланди. Президентимиз "Яшил макон" умуммиллий лойиҳасини амалга оширишда яна бир бор шахсий намуна кўрсатди. Янгиҳаёт туманининг драйвери бўладиган саноат зонаси ташкил этилмоқда

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: жаңа шақырық парламент өз жумысын баслады, Өзбекстан бас министри тастыйқланды. Президентимиз “Жасыл мәкан” улыўма миллий жобарын әмелге асырыўда және бир рет жеке үлги көрсетти. Янгиҳаёт районының драйвери болатуғын санаат зонасы шөлкемлестирилмекте.

Обзор важнейших событий за неделю: парламент нового созыва начал свою работу, утвержден Премьер-министр Узбекистана. Президент вновь подал личный пример в реализации общенационального проекта «Яшил макон». Создается промышленная зона, которая станет драйвером Янгихаётского района

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

25 Nov, 10:42


#видеролик

АРНАЎЛЫ ТАКТИКАЛЫҚ ОҚЫЎ ШЫНЫҒЫЎЫ ϴТКЕРИЛДИ.

Райондағы «Аллаяр Досназаров» аўыл пуқаралар жыйынында “Халықтың азық-аўқатлық өнимлерден зәҳәрлениўи ҳәм ботулизм кеселлигиниң алдын алыўда Айрықша жағдайлар бөлими менен тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

25 Nov, 06:51


2️⃣5️⃣ 25-noyabr kúni dúnya jámiyetshiligi hayal-qızlarǵa qarata zorlıqqa shek qoyıw kúnin belgileydi.

💚 “Bul sáne hárbir hayal qádirlenetuǵın, sózi tıńlanatuǵın, arzıw-niyetleri keleshekke qaray jolǵa aylanatuǵın dúnyada jasawǵa múnásip ekeni haqqındaǵı esletpe bolıp esaplanadı.

⚠️ Búgin biz birgelikte zorlıqqa baylanıslı: “Jeter, toqtat!” dep aytamız. Qorqıw hám gúmanlardı isenim sezimine aylandırıw waqtı keldi. Hárbir hayal tıńlanıwı hám súyikli bolıwına erisiw waqtı keldi.

🧠 Sociallıq qorǵaw milliy agentligi tek sózde emes, ámelde de ayta aladı:

▫️Biz qollap-quwatlaw ushın usı jerdemiz!
▫️Bizler qorǵaw ushın usı jerdemiz!
▫️Biz hárbir hayal, hár bir qızdıń ómiri qádirli bolıwı ushın gúresip atırmız!

🌿 Zorlıqsız dúnya qıyaldaǵı árman emes, bul birgelikte erisiwge bolatuǵın maqset.

Kúsh hám shıdamlıqtıń úlgisi bolǵan ózbek qızı Diyora Keldiyorovaǵa búgingi qatnasıwı ushın minnetdarshılıq bildiremen” - Shahnoza Mirziyoyeva

____

2️⃣5️⃣ 25-noyabr kuni jahon hamjamiyati Xotin-qizlarga nisbatan zo‘ravonlikka barham berish kunini nishonlaydi.

💚 «Bu sana har bir ayol eʼzozlanadigan, so‘zi tinglanadigan, orzulari kelajak sari yo‘lga aylanadigan dunyoda yashashga loyiq ekani haqidagi navbatdagi eslatmadir.

⚠️ Bugun biz birgalikda zo‘ravonlikka nisbatan: "Yetar, bas!" deya xitob qilamiz. Qo'rquv va shubha-gumonlarni ishonch hissiga aylantirish vaqti keldi. Har bir ayol tinglanishi va sevikli bo'lishiga erishish fursati yetdi.

🧠 Ijtimoiy himoya milliy agentligi nafaqat so'zda, balki amalda ham gapiradi:

▫️Biz qo'llab-quvvatlash uchun shu yerdamiz!
▫️Biz himoya qilish uchun shu yerdamiz!
▫️Biz har bir ayol, har bir qiz hayoti qadrli bo’lishi uchun kurashyapmiz!

🌿 Zo'ravonliksiz dunyo xayoldagi orzu emas, bu birgalikda erishsa bo'ladigan maqsaddir.

Qudrat va bardosh ramzi bo'lmish o'zbek qizi Diyora Keldiyorovaga bugungi ishtiroki uchun minnatdorchilik bildiraman» - Shahnoza Mirziyoyeva.

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X

Караозек хабарлары

25 Nov, 05:09


🌎 Қарақалпақстан Республикасы бойынша "E-auksion" платформасында жайластырылған 105 мәмлекетлик активлерди сатып алың ҳәм мүлк ийесине айланың.

🔹 Нөкис қаласында 9 ➡️ (силтеме)
🔹 Әмиўдәрья районында 8 ➡️ (силтеме)
🔹 Беруний районында 6 ➡️ (силтеме)
🔹 Бозатаў районында 7 ➡️ (силтеме)
🔹 Қараөзек районында 12 ➡️ (силтеме)
🔹 Кегейли районында 2 ➡️ (силтеме)
🔹 Қоңырат районында 10 ➡️ (силтеме)
🔹 Қанлыкөл районында 3 ➡️ (силтеме)
🔹 Мойнақ районында 5 ➡️ (силтеме)
🔹 Нөкис районында 1 ➡️ (силтеме)
🔹 Тақыятас районында 3 ➡️ (силтеме)
🔹 Тахтакөпир районында 9 ➡️ (силтеме)
🔹 Төрткүл районында 8 ➡️ (силтеме)
🔹 Хожели районында 4 ➡️ (силтеме)
🔹 Шымбай районында 7 ➡️ (силтеме)
🔹 Шоманай районында 5 ➡️ (силтеме)
🔹 Елликқала районында 6 ➡️ (силтеме)

👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube

Караозек хабарлары

25 Nov, 04:08


#жасыл_мәкан

⚡️ "Есим" МПЖ аймағындағы "Жаңа Өзбекстан" массиви әтирапын абаданластырыў ҳәм нәл егиў жумыслары алып барылмақта.

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

23 Nov, 12:14


Қарақалпақстан Республикасы стенди ең креатив деп табылды

Ташкент қаласында "Жипек жолында туризм" Ташкент халықаралық туристлик ярмаркасы өткерилди. Бул кең көлемли ярмарка павильонында көплеген орынлардың туризм потенциалын өзинде жәмлеген көргизбе стендлери орын алды.

Ярмаркада Қарақалпақстан Республикасы ўәкиллери келиўшилердиң итибарын өзине тартқан сийрек ушырасатуғын стендтин усынды.

Қарақалпақстандағы шөл ҳәм Арал көринисин бүгинги күн мүмкиншиликлери менен бирлестирген бул креатив көргизбе көпшиликтиң дыққат итибарының орайында болды.

Қуўанышлы тәрепи, Қарақалпақстан стенди көргизбеде “Ең креатив стенд” номинациясы бойынша женимпаз деп табылды ҳәм республикамыз ўәкиллери электромобиль менен сыйлықланды.

Қорақалпоғистон Республикаси стенди энг креатив деб топилди

Тошкент шаҳрида "Ипак йўлида туризм" Тошкент халқаро туризм ярмаркаси ўтказилди. Ушбу кенг кўламли ярмарка павильонида кўплаб жойларнинг туризм салоҳиятини ўзида мужассам этган кўргазма стендлари ўрин олди.

Ярмаркада Қорақалпоғистон Республикаси вакиллари ташриф буюрувчилар эътиборини тортган ноёб стендни тақдим этди.

Қорақалпоғистондаги чўл ва Орол манзарасини бугунги кун имкониятлари билан бирлаштирган ушбу ижодий кўргазма кўпчиликнинг диққат марказида бўлди.

Қувонарлиси, Қорақалпоғистон стенди кўргазмада "Энг креатив стенд" номинацияси бўйича ғолиб деб топилди ва республикамиз вакиллари электромобиль билан тақдирланди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

23 Nov, 12:06


#Жасыл_макан

⚡️Районымыз бойлап өткерилип атырған «Жасыл мәкан» акциясына Қараөзек районы медицина бирлеспеси жәмәәти гүзги абаданластырыў ҳәм нәл егиў жумысларына белсене қатнасып атыр.
Сизде районымыздың жасыл мәканға айланыўына ҳәм көркейиўине үлес қосың!

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

22 Nov, 14:09


ПӘН ОЛИМПИАДАСЫ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ.

Усы жылдың октябрь айында улыўма билим бериў пәнлери бойынша тийкарғы пәнлер олимпиадасының районлық басқышы жоқары класс оқыўшылары арасында 14 пән бойынша өткерилип, оқыўшылар өз билимлерин сынақтан өткерген еди.
Олимпиада нәтийжелери бойынша 121 оқыўшы сыйлы 1-2-3- орынларды ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Бүгин олимпиада жеңимпазларының сыйлықлаў мәресимине район ҳәкими А. Баймуратов жеңимпаз оқыўшылар, олардың устазларын жетискенликлери менен қутлықлады ҳәм олимпиада жеңимпазларын Қарақалпақстан Республикасы басқышында жақсы нәтийжелерге ерисиўинде табыслар тиледи. Жеңимпаз оқыўшылар менен олардың устазлары диплом ҳәм де баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

22 Nov, 13:31


❗️Абайлы болың
      
Ҳүрметли пуқаралар турақ жайларыныздағы ысытыў қазанларының сазлығына итибар бериң.
Олардан пайдаланыўдан алдын морыларын тазалатпай турып газ үскенелеринен пайдаланбаң.
 Ысытыў қазанларының морыларын көриктен өткериў оларды тазалатыў ушын төмендеги қәнигелерге мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

☎️ Өртке қарсы гүресиў жәмийети: 612221947

☎️ Өртке қарсы хызмет ЖШЖ: +998993185222

☎️ Қәўипсиз газ хызмети ЖШЖ: +998500078104

☎️ Нөкис қалалық газ тамийнаты бөлими: 104

☎️ Айрықша жағдайлар бөлими: 101, 1050

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

22 Nov, 06:29


"Жипек жолында туризм" Халықаралық туризм ярмаркасында бир қатар мәмлекетлер ҳәм Өзбекстанның барлық аймақларынан қәнигелер жыйналған. Булар қатарында Қарақалпақстан да өз көргизбе стенди менен қатнаспақта.

Қарақалпақстандағы шөл ҳәм Арал көринисин бүгинги күн мүмкиншиликлери менен бирлестирген бул креатив көргизбе көпшиликтиң итибарын тартты.

Көргизбе майданшасы қум менен толтырылған, бир тәрепте шөл үстинде қалып кеткен кеме қойылған ҳәм бир ўақытлары толқынланып турған теңиз жағаларында қалған бақаншақлар менен безелген. Орайлық композиция сыпатында Байтерек жайластырылған, ол Арал машқаласынан кейинги аймақтың жағдайын сүўретлейди. Оның көгерип атырған бир тәрепи бүгинги жаңаланып атырған Қарақалпақстанға мегзес.

Сондай-ақ, көргизбе қарақалпақ халқының мәденияты ҳәм миллийлигин, үрп-әдетлерин жәмлейтуғын бир қатар өзгешеликлер менен ажыралып турады.

Көргизбеге тынымсыз қызығыўшылық билдирилип, өзгеше атмосферани қәлиплестирген майданша атирапында бәрше фотосүўретлер менен естеликлер мөрлемекте.

"Ипак йўлида туризм" Халқаро туризм ярмаркасида бир қатор давлатлар ва Ўзбекистоннинг барча ҳудудларидан мутахассислар тўпланган. Булар қаторида Қорақалпоғистон ҳам ўз кўргазма стенди билан иштирок этмоқда.

Қорақалпоғистондаги чўл ва Орол манзарасини бугунги кун имкониятлари билан бирлаштирган ушбу ижодий кўргазма кўпчиликнинг эътиборини тортди.

Кўргазма майдони қум билан тўлдирилган, бир томонда саҳро устида қолиб кетган кема қўйилган ва бир вақтлар тўлқинланиб турган денгиз қирғоқларида қолган чиғаноқлар билан безатилган. Марказий композиция сифатида Байтерак жойлаштирилган, у Орол муаммосидан кейинги ҳудуднинг ҳолатини тасвирлайди. Унинг куртак отаётган бир томони бугунги янгиланаётган Қорақалпоғистонга ўхшайди.

Шунингдек, кўргазма қорақалпоқ халқининг маданияти ва миллийлигини, урф-одатларини ўзида мужассам этган қатор хусусиятлари билан ажралиб туради.

Кўргазмага доимий қизиқиш билдирилиб, ўзига хос атмосферани шакллантирган майдонча атрофида барча фотосуратлар билан эсдаликлар муҳрламоқда.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

22 Nov, 05:10


Сектор басшыларының қатнасыўында мәжилис өткерилди.

⚡️Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде энергия жетиспеўшилиги жүз берип сол себепли барлық мәмлекетлер энергия ресурсларынан ақылға урғас пайдаланыў, энергияны үнемлеў бойынша барлық шараларын көрип, жасыл энергиядан пайдаланыў жолларына өтип атыр.
Бул иләжларды әмелге асырыў бойынша Ҳурметли Президентимиз тәрепинен де бир қанша илажлар ислеп шығылып, әмелге асырылып келинбекте.
Усы иләжлардың районда әмелге асырылыў бағдарында мәжилис болып өтти. Оған райондағы барлық мәкеме, кәрхана, мәҳәлле жетиликлери қатнасты
Мәжилисте район ҳәкими А. Баймуратов шығып сөйлеп, Ноябрь айы - "Энергетика қәўипсизлиги айлығы" деп жәрияланыў мүнәсибети менен электр энергия ресурсларынан ақылға урғас пайдаланыў, газ ҳәм электр энергиясынан унемлеп пайдаланыў, тармақта жоғалыўлардың алдын алыў, нызамсыз пайдаланыў жағдайларын жоқ етиў ҳәм басқада илажлар бойынша кең түрде түсиндирип өтти.
Буннан соң тараў басшыларының есабатларын тыңлап, алдағы исленетуғын ўазыйпаларды белгилеп берди ҳәм орынланыўын қадағалаўға алатуғынлығын билдирди.

Қараөзек районы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

22 Nov, 04:26


#видеролик

#жасыл_мәкан

Қараөзек районы Айрықша жағдайлары бөлими тарепинен бириктирилген жер майданларында "Жасыл макан" жойбары шеңбериндеги иләжларда  мийўели ҳәм декоратив нәллерин егиў, жол бойларын хәмде Жаӊа Өзбекстан массиви әтирапын абаданластырыў жумысларын алып бармақта.

Ҳүрметли районымыз турғынлары!

Сизде аймағымызды көклемзарластырыўға белсенди қатынасыўға шақырамыз!

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

21 Nov, 12:07


Бүгин 21-ноябрден баслап Ташкент қаласында "Жипек жолында туризм"-2024 29-Халықаралық туризм ярмаркасы басланды

Үш күн даўам етиўи күтилип атырған бул кең көлемли ярмарка павильонында көплеген орынлардың туризм потенциалын өзинде жәмлеген көргизбе стендлери орын алған.

Олардың арасында Қарақалпақстандағы шөл ҳәм Арал көринисин бүгинги күн турмысы менен бирлестирген креатив көргизбе көпшиликтиң итибарын тартпақта.

Бугун 21 ноябрдан бошлаб Тошкент шаҳрида "Ипак йўлида туризм"-2024 29-Халқаро туризм ярмаркаси бошланди

Уч кун давом этиши кутилаётган ушбу кенг кўламли ярмарка павильонида кўплаб жойларнинг туризм салоҳиятини ўзида мужассам этган кўргазма стендлари ўрин олган.

Улар орасида Қорақалпоғистондаги чўл ва Орол манзарасини бугунги кун ҳаёти билан бирлаштирган креатив кўргазма кўпчиликнинг эътиборини тортмоқда.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

21 Nov, 11:50


⚡️Қараөзек районылық санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлимиде, Қараөзек районы Әдиллик бөлими баслығы А. Искендеров басшылығында ҳуқықый үгит-нәсият күни мүнәсибети менен иләж өткерилди.
Иләжда Коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы нызамшылықларда белгиленген нормаға тийкар ҳәр бир пуқара бул тараўдағы ийгиликли ислерге өз үлесин қосыўы ҳәм жүзеге келиўи мүмкин болған коррупциялық жағдайлар ҳаққында ескертилди.
Иләж соңында басқада нызамшылыққа киргизилген өзгерислер бойынша ҳуқықый түсиниклер берилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

13 Nov, 15:55


Корея Республикасының Елшиси Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди

Бүгин, 13-ноябрь күни Корея Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы Елшиси мырза Вон До Ён басшылығындағы делегация ағзалары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.

Толық оқыў

Корея Республикаси Элчиси Нукус давлат педагогика институтига ташриф буюрди

Бугун, 13-ноябрь куни Корея Республикасининг Ўзбекистондаги фавқулодда ва мухтор Элчиси жаноб Вон До Ён раҳбарлигидаги делегация аъзолари Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институтига ташриф буюрди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

13 Nov, 13:23


Президент қарарының әҳмийети түсиндирилди.

⚡️Бүгин Ак.Ч.Абдиров атындағы Қараөзек районы медицина бирлеспесинде Мәмлекетлик қамсызландырыў қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими бас қәнигеси А. Якубов тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-сентябрьдеги «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша ис-илажлар ҳаққында» ғы ПҚ-311санлы қарарының мазмуны ҳәм әҳмийетин халыққа түсиндириў мақсетинде, жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымлары ўәкиллери ҳәмде медицина бирлеспеси шыпакерлери менен ушырасыў болып өтти.
Онда қарарда көрсетилгендей мәмлекетлик қамсызландырыў системасына өтиў Қарақалпақстан Республикасында 2025-жыл 1-январьдан баслап өтиўи, медициналық жəрдемниң кепилленген пакетке киритилген түрлери ҳəм дəри өнимлери қəрежетлери мəмлекетлик медициналық қамсызландырыў фонды қаржылары есабынан қаплап берилетуғынлығы;
Кепилленген пакетке киритилген медициналық хызметлерден бийпул пайдаланыў ушын наўқаслар белгиленген мүддетлерде тийисли медициналық көриклерден өтиўи ҳəмде шаңарақ шыпакери ямаса медицина бригадасына мүрəжат етиўи талап етилип, бул тəртипке əмел етилмеген жағдайларда пуллы медициналық хызметлер көрсетилиўи;
Жеңилликке ийе наўқаслар көрсетпеге қарай электрон системасы арқалы шыпакер тəрепинен берилген жоллама тийкарында Мəмлекет бюджет қаржылары есабынан бийпул емлениўи ҳәм басқада бәнттеги өзгерислер ҳаққында түсиндирилип өтилди.
Ушырасыўда қатнасыўшылар өзлери қызықтырған сораўларға жуўаплар алды ҳәмде бундай ушырасыўларды аймақтағы мәҳәллелерде де тиккелей халық пенен де өткериў бойынша келисип алынды.

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

13 Nov, 11:58


🏆 Ўзбекистон туризм соҳасида “Энг яхши ривожланаётган йўналиш” мукофотига сазовор бўлди

Лондонда бўлиб ўтган тантанали тадбирда Ўзбекистон нуфузли “Wanderlust Reader Travel Awards 2024” мукофотининг “Энг яхши ривожланаётган йўналиш” номинациясида ғолиб бўлди.

Тақдирлаш маросими машҳур “Tate Modern” замонавий санъат галереясида бўлиб ўтди.

Маълумот учун: “Wanderlust Reader Travel Awards” мукофоти Wanderlust журнали томонидан ўтказиладиган йўналишлар ва туроператорлар учун нуфузли танлов.

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Медиабанк

Караозек хабарлары

13 Nov, 11:37


Қараөзекте ата-ана қарамағынан айырылған еки жасқа турақ жай саўға етилди.

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-август күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында” ғы ПҚ-5216 санлы қарарына тийкарланып, бағыўшысын жоғалтқан жасларымызды социаллық жақтан қорғаў оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Әлбетте, миллетимизге сай болған мехир мириўбетлилик, ғамхорлыққа мүтәж инсанларға жәрдем көрсетиўге қаратылған бул баслама бүгин ҳәр бир аймақта өзиниң әмелий тастыйғын таппақта.
Қараөзек районындағы «Қуралпа» мәҳәллесинде жасаўшы Алпысбаева Гулдана ҳәм «Ата мәкан» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Абдихаликова Жадра кем тәмийинленген ғамхорлыққа мүтәж болған жасларымыздың бири еди.
Бүгинги күн олар ушын қуўанышлы хабары менен есте қаларлық болды себеби, бул еки жасқа да райондағы көп қабатлы турақ жайлардан барлық қолайлықларға ийе еки ханалы турақ жай ҳәм Абдихаликова Жадраға тигиў машинасы саўға етилди.
Район ҳәкими А. Баймуратов, тараў басшылары менен бирге турақ жай ийелерине жайларының гилтин тапсырып, оларға жақсы тилеклерин билдирди ҳәм шараятлары менен танысты.
Жасларымыз ҳәм олардың туўған-туўысқанлары Президентимиздиң жасларға жаратып атырған имканиятларына кеўиллери толып, өз миннетдаршылықларын билдирди.

Қараөзек районы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

13 Nov, 11:08


🔥 Antuan de sent-Ekzyuperidiń eń belgili "Kishkene shahzada" kitabı endi qaraqalpaq tilinde!

😉 Siz kitap penen qosıp onıń audio variantın BIYPUL qolǵa kirgizesiz.

Adamda qanat joq, biraq ushıwdı arzıw etiw ne degen baxıt! Ushıw, párwaz etiw, aspannan tómenge qarap, adamlardıń qátelerin, onıń shógip baratırǵanın, tómenlep baratırǵanın biliw tek ǵana ruwhı párwaz qálegen adamlardıń táǵdirinde bar.
Men adamlar ushıwına isenemen… Sebebi bul kúshti Kishkene shahzadadan aldım! Awa, “Kishkene shahzada” shıǵarması párwazdı jaqsı kóretuǵın kitap.

Siz de aspanǵa párwaz etiwdi qáleysiz. Biraq, bunıń ilajı joq dep oylaysız. Ilajı bar, qanday deysiz be?

Bul shıǵarma úlkenler hám kishkeneler ushın birdey qızıqlı. Kitap dúnya boyınsha 140 million nusqada satılǵan.

☎️ Kitapqa házir aldınnan buyırtpa beriwińiz múmkin. Aldınnan buyırtpa beriw ushın +93 362-57-44 nomerine xabarlasıń yamasa kommentariya bólimine belgisin qaldırıń. Biz sizge ózimiz xabarlasamız.

📲 Telegram | Instagram | YouTube | Vebsayt

Караозек хабарлары

07 Nov, 16:07


#видеоролик

Районда өткерилген "Жылдың ең үлгили мәҳәлле жаслар жетекшиси" таңлаўынан таярланған видеоролик.

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

07 Nov, 16:02


Яна бир муҳим масала – баҳор ва куздаги сел сувларини йиғиб, суғоришда ишлатиш лозим.

Масалан, Қўшработ туманининг “Хонназор”, “Чорлоқ”, “Қўрғон”, “Шовона” ва “Қийқим” маҳаллаларидан ўтган сойдан йилига 36 миллион куб метр сув самарасиз оқиб кетади.

Бу ерда кичик сув омбори қурилса, 2,5 минг гектар ерни ўзлаштириш, янги ерларни интенсив сабзавотчилик учун аҳолига бериб, 4 минг ишсизни банд қилиш ва 600 та оилани камбағалликдан чиқариш мумкин.

Бундай сел сув омборларини Қашқадарё, Наманган, Сурхондарё, Тошкент вилояти ва Фарғонадаги яна 9 та туманда барпо қилиб, 50 минг гектарда сув таъминотини яхшилаш имкони бор.

Шу муносабат билан мутасаддиларга 10 та сел сув омбори қуриш ишларини бошлаш топширилди.

Және бир әҳмиетли мәселе - бәҳәр ҳәм гүздеги сел суўларын жыйнап, суўғарыўда пайдаланыў керек.

Мәселен, Қўшработ районының "Хонназар," "Чорлоқ," "Қўрғон," "Шовона" ҳәм "Қийқим" мәҳәллелеринен өткен дәрядан жылына 36 миллион куб метр суў нәтийжесиз ағып кетпекте.

Бул жерде киши суў сақлағыш қурылса, 2,5 мың гектар жерди өзлестириў, жаңа жерлерди интенсив овош жетистириў ушын халыққа берип, 4 мың жумыссызды бәнт етиў ҳәм 600 шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў мүмкин.

Бундай сел суў сақлағышларын Қашқадәрья, Наманган, Сурхандәрья, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғанадағы және 9 районда қурып, 50 мың гектарда суў тәмийнатын жақсылаў имканияты бар.

Усы мүнәсибет пенен жуўапкерлерге 10 сел суў сақлағышын қурыў жумысларын баслаў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 16:02


Президент сув хўжалиги соҳасида кескин ўзгариш қилишнинг бирдан-бир йўли – рақамлаштириш эканини таъкидлади.

Насос станцияларига 1,7 мингта “онлайн” назорат қурилмаси ва 12 мингта “ақлли сув” қурилмаси олиб келинган. Лекин улардан олинадиган маълумотларни жамлаб, таҳлил қиладиган ахборот тизими йўқ.

Шу боис, Сув хўжалиги вазирлиги ҳузурида Сув хўжалигини рақамлаштириш маркази ташкил этилади. Ушбу марказ сув истеъмоли ва уни ҳисобини юритишнинг ягона ахборот тизимини ишга туширади.

Ҳозирда сув солиғидан тушумнинг 40 фоизи туман сувчиларида қолмоқда. Лекин, 27 та туманда ундирилган сув солиғидан маблағ сув етказиш хизматларига ўтказиб берилмаган. Вилоят ҳокимликларига бир ҳафтада ушбу камчиликни бартараф қилиш топширилди.

Молия вазирлигига бундан буён сув солиғидан тушум бюджет ва сувчилар ўртасида автоматик равишда тақсимланишини таъминлаш топширилди.

Йиғилишда соҳа мутасаддиларининг ҳисоботлари, фермер хўжаликлари раҳбарларининг таклифлари тингланди.

Президент суў хожалығы тараўында кескин өзгерислердиң бирден-бир жолы - санластырыў екенин атап өтти.

Насос станцияларына 1,7 мың "онлайн" қадағалаў қурылмасы ҳәм 12 мың "ақыллы суў" қурылмасы алып келинген. Бирақ олардан алынатуғын мағлыўматларды жыйнаў ҳәм таллаўшы мәлимлеме системасы жоқ.

Сонлықтан, Суў хожалығы министрлиги жанында Суў хожалығын санластырыў орайы шөлкемлестириледи. Бул орай суў тутыныўы ҳәм оның есабын жүргизиўдиң бирден-бир мәлимлеме системасын иске қосады.

Ҳәзирги ўақытта суў салығынан түсимниң 40 проценти район суўшыларында қалмақта. Бирақ, 27 районда өндирилген суў салығынан қаржы суў жеткерип бериў хызметлерине өткерилмеген. Ўәлаят ҳәкимликлерине бир ҳәпте ишинде бул кемшиликти сапластырыў тапсырылды.

Қаржы министрлигине буннан былай суў салығынан түсим бюджет ҳәм суўшылар арасында автоматластырылған түрде бөлистирилиўин тәмийинлеў тапсырылды.

Мәжилисте тараў жуўапкерлериниң есабатлары, фермер хожалықлары басшыларының усыныслары тыңланды.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 14:23


Республика бўйича 2 миллион гектарда сув тежовчи технологиялар жорий қилингани натижасида ўтган йилнинг ўзида 2 миллиард куб метр сув тежалди. 50 дан ортиқ маҳаллий корхона бундай технологияларни ўзимизда чиқараяпти.

Шундай бўлса-да, томчилаб суғориш жорий қилинди, деб ҳисобот берилган барча далаларда ҳам бу тизим ишламаяпти. Қорақалпоғистонда эса лазерли текислашга 10 миллиард сўм субсидия берилган бўлса-да, бу маблағ ишлатилмасдан қолмоқда.

Масъул идораларга лазерли текислаш, сув тежовчи технологияларнинг жорий этилиши ва ишлатилиши устидан қатъий назорат ўрнатиш топширилди.

Қорақалпоғистонда мавжуд лазерли текисланган ернинг ҳар гектарига 1 миллион сўмдан субсидия бериш тизими энди Хоразмда ҳам жорий этилади.

Умуман, келгуси йилда сув тежовчи технологиялар учун 700 миллиард сўм субсидия, 2,5 триллион сўм кредит ажратилиши белгиланди.

Республика бойынша 2 миллион гектарда суўды үнемлеўши технологиялардың енгизилгени нәтийжесинде өткен жылдың өзинде 2 миллиард куб метр суў үнемленди. 50 ден аслам жергиликли кәрхана бундай технологияларды өзимизде ислеп шығармақта.

Соған қарамастан, тамшылатып суўғарыў енгизилди деп есабат берилген барлық атызларда да бул система ислемей атыр. Қарақалпақстанда болса лазерли тегислеўге 10 миллиард сум субсидия берилген болса да, бул қаржы жумсалмай қалмақта.

Жуўапкер уйымларға лазерли тегислеў, суўды үнемлейтуғын технологиялардың енгизилиўи ҳәм қолланылыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў тапсырылды.

Қарақалпақстандағы бар лазер менен тегисленген жердиң ҳәр гектарына 1 миллион сумнан субсидия бериў системасы енди Хорезмде де енгизиледи.

Улыўма етип айтқанда, келеси жылы суўды үнемлейтуғын технологиялар ушын 700 миллиард сум субсидия, 2,5 триллион сум кредит ажыратылыўы белгиленди.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 13:51


Фермер хўжаликларида 1 минг 700 та насос йилига 1 миллиард киловатт электр сарфлайди.

Уларга электр харажати учун бу йилги бюджетда 170 миллиард сўм субсидия режа қилинган эди. Келгуси йил бунга яна 250 миллиард сўм ажратилмоқда.

Масалан, хоразмлик 92 нафар деҳқон замонавий насос ўрнатиб, электрни 20 фоиз тежаяпти. Қуёш панели ўрнатиш ҳисобига эҳтиёжидан ортган электрни давлатга сотиб, ойига қўшимча 7-8 миллион сўм даромад олаяпти.

Хоразм тажрибасини кенгайтириш мақсадида электр харажати учун субсидияни насосларни янгилаш ва қуёш панеллари ўрнатишга боғлаш кераклиги қайд этилди.

Ушбу тажриба асосида ҳар йили 1000 тадан фермерни янги тизимга ўтказиш муҳимлиги таъкидланди.

Фермер хожалықларында 1 мың 700 насос жылына 1 миллиард киловатт электр жумсайды.

Оларға электр қәрежети ушын быйылғы бюджетте 170 миллиард сум субсидия режелестирилген еди. Келеси жылы буның ушын және 250 миллиард сум ажыратылмақта.

Мәселен, хорезмли 92 дийқан заманагөй насос орнатып, электрди 20 процент үнемлемекте. Қуяш панелин орнатыў есабынан зәрүрлигинен артқан электрди мәмлекетке сатып, айына қосымша 7-8 миллион сум дәрамат алмақта.

Хорезм тәжирийбесин кеңейтиў мақсетинде электр қәрежети ушын субсидияны насосларды жаңалаў ҳәм қуяш панельлерин орнатыўға байланыстырыў керек екенлиги атап өтилди.

Усы тәжирийбе тийкарында ҳәр жылы 1000 фермерди жаңа системаға өткериў әҳмиетли екенлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 13:25


Президентимиз 2025 йил сув хўжалигида “Насослар самарадорлигини ошириш йили” бўлишини таъкидлади.

Ҳозир республикадаги 2,5 миллион гектар ерни суғоришга 1 минг 600 дан зиёд насос станция йилига 6,8 миллиард киловатт электр сарфлаяпти. 2017 йилда 2 миллион гектарга 8,3 миллиард киловатт ишлатилар эди.

Хусусий шериклик асосида тежамкор насос ва қуёш панелларини ўрнатиб, 20 фоиз электрни тежаш мумкинлиги кўрсатиб ўтилди.

Мутасаддиларга Жиззах ва Наманган бош насос станцияларини шаффоф ва жозибадор шартда халқаро тендерга чиқариш топширилди.

Президентимиз 2025-жыл суў хожалығында "Насослар нәтийжелилигин арттырыў жылы" болатуғынын атап өтти.

Ҳәзирги ўақытта республикадағы 2,5 миллион гектар жерди суўғарыўға 1 мың 600 ден аслам насос станциясы жылына 6,8 миллиард киловатт электр жумсамақта. 2017-жылы 2 миллион гектарға 8,3 миллиард киловатт ислетилетуғын еди.

Жеке меншик шериклик тийкарында үнемли насос ҳәм қуяш панельлерин орнатып, 20 процент электрди үнемлеў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Жуўапкерлерге Жиззақ ҳәм Наманган бас насос станцияларын ашық-айдын ҳәм тартымлы шәртлерде халықаралық тендерге шығарыў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 13:25


Ҳар бир каналга Ирригация университети, Сув муаммолари илмий институти, 9 та техникумни “дуал таълим” асосида бириктириш муҳимлиги таъкидлади.

Улар лойиҳадан бетонлаш тугагунча бўлган барча жараёнларни илмий ёндашув асосида кузатиб, тавсия ва хулосасини беради.

Каналларни бетонлаш ҳисобига сув оқими тезлашади. Бу – кичик ГЭСлар қуриб, электр олиш учун катта имконият.

Масалан, Навоий вилояти каналларида 11 мегаваттли 148 та микро ГЭС қуриш бошланди. Бунда маҳаллий компонент юқори бўлган, Навоийни ўзида ишлаб чиқарилаётган ускуналардан фойдаланилмоқда.

Умуман, республикада 2 мингта мана шундай микро ГЭС қуриб, йилига қўшимча 600 миллион киловатт электр олиш мумкинлиги таъкидланди.

Вилоят ҳокимлари олдига Навоий мисолида ўз ҳудудларининг саноат салоҳиятини ишга солиб, маҳаллий компоненти юқори бўлган шундай микро ГЭСларни лойиҳалаштириш ва барпо этиш вазифаси қўйилди.

Ҳәр бир каналға Ирригация университети, Суў машқалалары илимий институты, 9 техникумды "дуал билимлендириў" тийкарында бириктириў әҳмийетли екенин атап өтилди.

Олар жойбардан бетонлаў жуўмақланғанға шекемги болған барлық процесслерди илимий қатнас тийкарында бақлап, усыныс ҳәм жуўмағын береди.

Каналларды бетонлаў есабынан суў ағымы тезлеседи. Бул - киши ГЕСлер қурып, электр алыў ушын үлкен имканият.

Мәселен, Наўайы ўәлаяты каналларында 11 мегаваттлы 148 микро ГЕС қурылысы басланды. Онда жергиликли компонент жоқары болған, Наўайының өзинде ислеп шығарылып атырған үскенелерден пайдаланылмақта.

Улыўма, республикада 2 мың мине усындай микро ГЕС қурып, жылына қосымша 600 миллион киловатт электр алыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Ўәлаят ҳәкимлери алдына Наўайы мысалында өз аймақларының санаат потенциалын иске қосып, жергиликли компоненти жоқары болған усындай микро ГЕСлерди жойбарлаў ҳәм қурыў ўазыйпасы қойылды.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 13:17


Президент Шавкат Мирзиёев раислигида қишлоқ хўжалигида сув ва энергия ресурсларидан унумли фойдаланиш масалалари юзасидан йиғилиш бошланди.

Жорий йилда мамлакатимиздаги сув омборларида ўтган йилга нисбатан кўп сув йиғилгани таъкидланди.

Давлатимиз раҳбари бу ҳолат хотиржамликка берилмаслик лозимлигини қайд этди.

Дунёда бир вақтлар чўл бўлган ҳудудларда ёғингарчилик кўпайиб, бошқа жойларда қурғоқчилик кенгайиб бораётган шароитда мамлакатимизда сув тежовчи технологияларни жорий қилиш ва каналларни бетонлаш бўйича танланган йўл тўғри бўлгани таъкидланди.

Биргина 550 километр канал ва ариқлар бетонлангани ҳисобига 200 минг гектарда сув яхшиланди, йилига 450 миллион куб метр сув иқтисод бўлаяпти.

Сув бошқаруви ислоҳ қилиниб, туман даражасида сувни ҳисобга олиш тизими шаклланди, фермерлар сувни ҳисоб-китоб қилишни ўрганди. Шаффоф тизим туфайли бу йил ерга 2 карра кўп сув борди, яна 6 миллиард куб метр сув ҳисоби жой-жойига қўйилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында аўыл хожалығында суў ҳәм энергия ресурсларынан үнемли пайдаланыў мәселелери бойынша мәжилис басланды.

Быйыл мәмлекетимиздеги суў сақлағышларда өткен жылға салыстырғанда көп суў жыйналғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жағдайда тынышлыққа берилиў керек емеслигин атап өтти.

Дүняда бир ўақытлары шөл болған аймақларда жаўын-шашын көбейип, басқа жерлерде қурғақшылық кеңейип атырған шараятта елимизде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм каналларды бетонлаў бойынша таңланған жол дурыс болғаны атап өтилди.

Тек ғана 550 километр канал ҳәм салмалар бетонланғаны есабынан 200 мың гектарда суў жақсыланды, жылына 450 миллион куб метр суў үнемленбекте.

Суў басқарыўы реформаланып, район дәрежесинде суўды есапқа алыў системасы қәлиплестирилди, фермерлер суўды есапқа алыўды үйренди. Ашық-айдын система себепли быйыл жерге 2 есе көп суў кетти, және 6 миллиард куб метр суў есабы орнына қойылды.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 13:17


Йиғилишда соҳада ҳали қилинадиган ишлар кўплиги кўрсатиб ўтилди.

Кластер ва фермерларга етказиб берилаётган ҳар бир куб метр сувга республика бўйича ўртача 212 сўм харажат қилинаяпти. Бухоро, Қашқадарё ва Наманган вилоятларида бу кўрсаткич 2-3 баробар юқори.

Охирги йилларда 1 миллиард доллар ҳисобига Қарши, Аму-Бухоро, Аму-Занг каби йирик насос станциялар модернизация қилинди.

Лекин, Бухоро, Қашқадарё, Наманган ва Сурхондарёда ўрта ва майда эскирган насослар янгиланмагани учун сув таннархи ошиб кетмоқда.

Бетонлаш ҳисобига йўқотиш 10-15 фоизга камайган бўлса-да, 20 та туманда йўқотишлар республикада энг юқори.

Мәжилисте тараўда еле исленетуғын жумыслар көп екени көрсетип өтилди.

Кластер ҳәм фермерлерге жеткерип берилип атырған ҳәр бир куб метр суўға республика бойынша орташа 212 сум қәрежет жумсалмақта. Бухара, Қашқадәрья ҳәм Наманган ўәлаятларында бул көрсеткиш 2-3 есеге жоқары.

Кейинги жыллары 1 миллиард доллар есабынан Қаршы, Әмиў-Бухара, Әмиў-Занг сыяқлы ири насос станциялары модернизацияланған.

Бирақ, Бухара, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Сурхандәрьяда орта ҳәм майда ескирген насослар жаңаланбағаны себепли суўдың өзине түсер баҳасы артып кетпекте.

Бетонлаў есабынан жоғалтыў 10-15 процентке азайған болса да, 20 районда жоғалтыўлар республикада ең жоқары.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 13:17


Йиғилишда Жиззах вилояти Дўстлик тумани мисоли кўриб чиқилди.

Туманда хитойлик инвесторлар билан сув бошқарувини ақлли тизимга ўтказиш бўйича лойиҳа якунига етказилди.

Сув тақсимланадиган 2 мингта нуқтага ҳисоблагич ва видеокамера ўрнатилиб, кимга қанча сув боргани аниқ кўринади. Автоматлашган бошқарув орқали 20 фоиз, суғориш тармоқларини таъмирлаш ҳисобига яна 10 фоиз сув тежалади. Сув бошқаруви хусусий секторга берилиб, фермерлар билан кооперация тузилади.

Вилоятлар ҳокимларига Дўстликдаги янги тизимни ўрганиш, вилоятидаги сув таъминоти оғир ва харажати қиммат 1 тадан туманда Дўстлик тажрибасини жорий қилиш топширилди.

Мәжилисте Жиззақ ўәлаятының Дослық районы мысалы көрип шығылды.

Районда қытайлы инвесторлар менен суў басқарыўын ақыллы системаға өткериў бойынша жойбар жуўмағына жеткерилди.

Суў бөлистирилетуғын 2 мың ноқатқа есаплағыш ҳәм видеокамера орнатылып, кимге қанша суў барғаны анық көрсетиледи. Автоматластырылған басқарыў арқалы 20 процент, суўғарыў тармақларын оңлаў есабынан және 10 процент суў үнемленеди. Суў басқарыўы жеке меншик секторға берилип, фермерлер менен кооперация дүзиледи.

Ўәлаятлардың ҳәкимлерине Дослықтағы жаңа системаны үйрениў, ўәлаятта суў тәмийнаты аўыр ҳәм қәрежети қымбат болған биреўден районда Дослық тәжирийбесин енгизиў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 13:17


Ноябрь-март ойлари каналларни бетонлаш учун энг қулай вақтлиги таъкидланди. Ҳали 18 минг километр магистрал ва 94 минг километр ички каналларни бетонлаш зарур.

Каналларда йилига 13 миллиард куб метр сув йўқотилаяпти. Бу – Андижон, Навоий, Наманган, Самарқанд ва Сирдарёнинг бир йил ишлатадиган сувига тенг.

Шу сабабли келгуси йилда бетонлашга 800 миллиард сўм ажратилиши белгиланди.

Масъул идораларга 66 та магистрал канал лойиҳаси ва экспертизасини якунлаб, қурилиш ишларини тез фурсатда бошлаш, бунга арзон цемент етказиб беришни ташкил қилиш топширилди.

Умуман, ҳокимлар олдига фермер ва кластерлар билан биргаликда 1 апрелгача 15 минг километр ички ариқларни бетон қопламага ўтказиш вазифаси қўйилди.

Мутасаддилар ҳар бир каналга ажратилаётган ҳар бир сўмни мақсадли, тежамкорлик билан тўғри ишлатиш зарурлиги ҳақида огоҳлантирилди.

Ноябрь-март айлары каналларды бетонлаў ушын ең қолайлы ўақыт екени атап өтилди. Еле 18 мың километр магистраль ҳәм 94 мың километр ишки каналларды бетонлаў керек.

Каналларда жылына 13 миллиард куб метр суў жоғалмақта. Бул - Әндижан, Наўайы, Наманган, Самарқанд ҳәм Сырдәряның бир жылда жумсайтуғын суўына тең.

Сол себепли келеси жылы бетонлаўға 800 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди.

Жуўапкер уйымларға 66 магистраль канал жойбары ҳәм экспертизасын жуўмақлап, қурылыс жумысларын тез пурсатта баслаў, оған арзан цемент жеткерип бериўди шөлкемлестириў тапсырылды.

Улыўма, ҳәкимлер алдына фермерлер ҳәм кластерлер менен биргеликте 1-апрельге шекем 15 мың километр ишки салмаларды бетон қапламаға өткериў ўазыйпасы қойылды.

Жуўапкерлер ҳәр бир каналға ажыратылып атырған ҳәр бир сумды мақсетли, үнемли түрде, дурыс жумсаў зәрүрлиги ҳаққында ескертилди.

Facebook|Instagram|X

Караозек хабарлары

07 Nov, 13:15


#Брифинг

⚡️Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығының орынбасары капитан С. Нурабуллаевтың қатнасында Халықтың ҳәм аймақлардың сейсмик қәўипсизлигин тәмийинлеў, имәрат ҳәм комплекслердиң жер силкиниўине шыдамлылығын асырыў иләжлары ҳаққында брифинг өткерилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

07 Nov, 11:50


DIQQAT DAGAZA!!!

"Profi Deutsch" mámleketlik emes tálim orayı endi Qaraózek rayonı filialinda Ausbildungqa tayarlawshı oqıw-kurslarına mirat etedi!!!

📍háptesine 5 kúnlik sabaqlar;
📍Nemis tilinen xalıqaralıq sertifikatqa iye ustazlar
📍zamanagóy metodlar tiykarındaǵı sabaqlar;
📍zamanagóy oqıw sabaqlıqlar

📆sabaqlar kúnniń 2 mezgilinde

Mánzil: Qaraózek rayonı Jaslar orayı

Murojat ushin: @ulbiyken92

☎️97 650 21 34

Profi Deutsch mamleketlik emes talim oqiw orayi tikkeley Germaniya Respublikasinin "Askania FUTURE" GmbH kompaniyasi menen birge sizge ozinin oqiw kurslarin usinadi. Oqiwdi tabisli B1 darejedegi Xaliqara Telc sertifikatin qolga kirgizgen oqiwshimiz tikkeley Germaniya Respublikasina Ausbildung (dual talim) ge jiberiledi.
Ausbildung degenimiz ne?
3 jilliq kasipke oqitiwshi texnikum,
500 den aslam kasipler (meditsina, xaliqqa xizmet korsetiw, mashina sazliq, restoran, bilimlendiriw h.t.b)
3 kunlik teoriya 2 kunlik ameliyat boladi.
Oqiwdi tabisli tamamlagan pitkeriwshilerge tayin jumis usinis etiledi.
Bul jane hammesi emes!!!
Siz oqiw dawaminda 1000 € dan 1300 € ga shekem stipendiya alip otirasiz!
Bunin ushin sizden bar jogi xaliqara B1 sertifikati talap etiledi!
Kelesheginizdi Germaniya talim standarti menen baslan'!!!

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

07 Nov, 11:33


Екинши сектор тәрепинен жаслар менен онлайн сәўетлесиў өткерилди.

⚡️Сәўбетлесиўге 2-сектор баслығының орынбасары, районлық Жаслар ислери агентлиги баслығы қатнасып, райондағы А. Досназаров, Қуралпа аўыл пуқаралары жыйынындағы сыртқы миграциядағы жаслардың машқалалары аралықтан үйренилди.
Онда шет еллерде жумыс ислеп атырған ҳәм сол жақта билим алып атырған жаслар менен социаллық тармақлар арқалы онлайн тәризде сәўбетлесиў өткерилип, оған 15 жас қатнасты ҳәм олардың мәселелери толық үйренилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

07 Nov, 10:46


Қарақалпақстан Республикасинан Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайланған депутатлар

1. Утемуратова Сапаргүл Шамшетовна — 1-Қарақалпақстан Республикасы сайлаў округи: Нөкис қаласы, Әмиўдәря районы, Беруний районы.

2. Мамутов Равшан Аминаддинович — 2-Қарақалпақстан Республикасы сайлаў округи: Төрткүл районы, Елликқала районы, Беруний районы.

3. Халмуратова Гулжан Пиржановна — 3-Қарақалпақстан Республикасы сайлаў округи: Мойнақ районы, Қоңырат районы, Қанлыкөл районы, Шоманай районы, Хожели районы, Тақыятас районы.

4. Алдамуратов Бахитбай Умирзақович — 4-Қарақалпақстан Республикасы сайлаў округи: Нөкис қаласы, Тахтакөпир районы, Қараөзек районы, Кегейли районы, Бозатаў районы, Шымбай районы, Нөкис районы.

Қорақалпоғистон Республикасидан Олий Мажлис Қонунчилик палатасига сайланган депутатлар

1. Утемуратова Сапаргүл Шамшетовна — 1- Қорақалпоғистон Республикаси сайлов округи: Нукус шаҳри, Амударё тумани, Беруний тумани.

2. Мамутов Равшан Аминаддинович — 2- Қорақалпоғистон Республикаси сайлов округи: Тўрткўл тумани, Элликқалъа тумани, Беруний тумани.

3. Халмуратова Гулжан Пиржановна — 3- Қорақалпоғистон Республикаси сайлов округи: Мўйноқ тумани, Қўнғирот тумани, Қонликўл тумани, Шуманай тумани, Хўжайли тумани, Тахиатош тумани.

4. Алдамуратов Бахитбай Умирзақович — 4- Қорақалпоғистон Республикаси сайлов округи: Нукус шаҳри, Тахтакўпир тумани, Қораўзак тумани, Кегейли тумани, Бўзатов тумани, Чимбой тумани, Нукус тумани.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

07 Nov, 08:03


Кеўил билдириў

Усы жылдың 7-ноябрь күни
Қараөзек районына белгили нураный спортшы Алмағанбетов Ережеп Султанович 66 жасында мезгилсиз дүньядан өтти.

Мархумның шаңарақ ағзаларына, туўған туўысқанларына Қараөзек районы ҳәкимлиги атынан терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Е. Алмағанбетов көп жыллар даўамында спорттың "Аўыр атлетика" түринен бир нешше жасларды тәрбиялап, өзиниң терең билими бай тәжирийбеси менен спорт тараўында  жемисли мийнет етти ҳәм халқымыздың алғысына миясар болды.
Оның жарқын естелиги халқымыздың ядында мәңги сақланып қалады.

Қараөзек районы ҳәкимлиги.

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

07 Nov, 07:47


ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ БИРИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

⚡️Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы болып өтти. Сессияға депутатлар, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, мәкеме, шөлкем ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қараөзек районлық сайлаў комиссиясы баслығы М. Атажанов басқарып барды.
Сессияниң күн тәртибинде төрт мәселе яғный Халық депутатлары Қараөзек районы Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў.
Халық депутатлары Қараөзек районы Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының Қараөзек районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы қарарын тастыйықлаў.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси район ҳәм қалалық Кеңеслери қоспа мәжилиси мәсләҳәт Кеңесине Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесинен талабан усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Буннан соң, Баймуратов Анвар Махсетовичтиң Қараөзек районын социал-экономикалық раўажландырыў бойынша бес жыллық бағдарламасы көрип шығылып, депутатлар тәрепинен мақулланып Баймуратов Анвар Махсетович Қараөзек районы ҳәкими етип тайынланды.
Сессия соңында күн тәртибиндеги мәселелер толық қарап шығылып депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.
Соның менен Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

25 Oct, 11:38


#ИНФОЛИБ_2024

Қараөзек районы Мәлимлеме-китапхана орайында 21-25- Октябрь күнлери "Инфолиб Өзбекстан-2024" Миллий Мәлимлеме китапхана ҳәптелиги шеңберинде бир қатар иләжлар өткерилди.
Ҳәпте даўамында жаңадан келген китаплар көргизбеси, жазыўшы шайырлардың юбилей кешелери, мектеп китапханашылары менен семинарлар, Ҳуқуқ қорғаў уйымлары арасында «Закаўат» интеллектуал ойынлары өткерилип барылды.
Бүгин усы ҳәптелик шеңберинде “Жаңа Өзбекстанның интеллектуал потенциалы-жаслар қолында!” IV жас китапханашылар форумының жабылыў мәресими болып өтти.
Онда китапхана қәнигелери тәрепинен ҳәптелик даўамында бирге ислесиўши мәкеме, шөлкемлер менен биргеликте алып барылған илажлар ҳәмде китапхана орайына жаңадан келген китаплар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Илаж соңында қатнасыўшылар ҳәм китапқумар жаслар ҳәптеликтен алған тәсирлери ҳаққында айтып өтти.

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

25 Oct, 08:48


Қарақалпақстан Республикасы бойынша 3035 исбилерменлик ушын жер участкалары мүлк ҳәм ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылды !!!
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 82 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 11 (
көриў)
🔷Беруний районы 282 (
көриў)
🔷Бозатаў районы 246 (
көриў)
🔷Қараөзек районы 264 (
көриў)
🔷Кегейли районы 143 (
көриў)
🔷Қоңырат районы 259 (
көриў)
🔷Қанлыкөл районы 167 (
көриў)
🔷Мойнақ районы 266
көриў)
🔷Нөкис районы 235 (
көриў)
🔷Тақыятас районы 79 (
көриў)
🔷Тахтакөпир районы 176 (
көриў)
🔷Төрткүл районы 300 (
көриў)
🔷Хожели районы 174 (
көриў)
🔷Шымбай районы 109 (
көриў)
🔷Шоманай районы 139 (
көриў)
🔷Елликқала районы 103 (
көриў)

социаллық
тармақларда:
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube

Караозек хабарлары

25 Oct, 05:32


25-октябрь - Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни.

⚡️Сизлерди «25-октябрь - Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни» менен шын кеўилден қутлықлайман.

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында тараўда үлкен реформалар әмелге асырылып, мәмлекетимизде тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаў, жынаятлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў барысында жақсы нәтийжелерге ерисилмекте.
Ишки ислер органлары жумысларын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша Нызамшылықта қатар норматив ҳүжжетлер қабыл етилди.
Тараў хызметкерлери жәҳән стандартларына сәйкес байланыс, техника ҳәм заманагөй хабар коммуникация үскенелери менен тәмийинленди.
Ишки ислер органлары хызметкерлери халық ҳәм өзин-өзи басқарыў органлары менен биргеликте жумыс алып барыўы жақсы жолға қойылды.
Мәҳәллелерде жетилик системасы енгизилип, олар бир имаратта бирге жумыс ислесиўи жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўда үлкен нәтийже бермекте.
Солай екен, районымызда жынаятшылықлар саны өткен жылларға салыстырғанда сезилерли дәрежеде кемейиўине ерисилди.

Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги байрам менен және бир мәртебе қутлықлай отырып, шаңарақларыңызға аманлық, өзлериңизге беккем ден-саўлық, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.
Мәмлекетимиз тынышлығы, пуқаралардың пәраўанлығы жолындағы жуўапкерли ҳәм машақатлы кәсиплик хызметиңизде жетискенликлериңиз мол болыўына тилеклеслик билдиремен.

Анвар Баймуратов
Қараөзек районы ҳәкими.


👇👇👇
@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

25 Oct, 04:20


Ҳүрметли Ишки ислер уйымлары хызметкерлери!

Тынышлық сақшылары болған Ишки ислер уйымлары хызметкерлерин бүгинги кәсиплик байрамы, "25-октябрь – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни" менен қызғын қутлықлаймыз.

Тараў хызметкерлериниң жәмийетлик тәртипти ҳәм тынышлықты сақлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында өз тынышлығынан, керек болса жанынан кешип әмелге асырып атырған пидайы хызметлерин халқымыз жақсы аңлайды ҳәм қәдирлейди.

Сизлерге, Ўатанымыз ҳәм халқымызға болған садықлығыңыз ушын терең миннетдаршылық билдиремиз.

Және бир мәрте бәршеңизди бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем денсаўлық, шаңарағыңызға татыўлық, мақтанышлы кәсибиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.


Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

24 Oct, 11:01


Районда 45 жастан 65 жас аралығындағы ҳаялларға бийпул хызметлер көрсетилип атыр.

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 27-май айындағы “Халыққа гематология ҳәм онкология хызметлерин көрсетиў системасын жәнеде жетилистириў ҳаққында” ғы 5130-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 2024-жылдың 21-25 октябрь күнлери мобиль маммоскрининг арқалы, 45-65 жас аралығындағы ҳаяллар арасында онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў, олар арасында сүт бези қәўипли өспелериниң ерте басқышларын анықлаў бойынша маммоскринингтен өткерилип, халыққа бийпул хызмет көрсетилип атыр.
Қараөзек районынан график тийкарында жәми 600 ҳаял-қыз медициналық көриктен өткерилиў режелестирилип, бүгинги күнге 450 ден аслам ҳаяллар тексерилиўден өткерилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi

Караозек хабарлары

24 Oct, 08:00


Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиў екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

24 Oct, 08:00


Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс алып барған Кайпов Дарьябай Жаксыбаевич Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри лаўазымына тайынланғаны атап өтилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

24 Oct, 08:00


Ҳүрметли Президентимиздиң халқымызға деген айрықша ғамхорлығы нәтийжесинде быйылғы жылы тараўда тарийхый ўақыялар жүз берди.

Атап айтқанда, тараўды раўажландырыў бағдарында бир қатар жеңилликлер берилди. «Нөкис–Мойнақ–Нөкис» бағдары бойынша ишки авиарейслер, «Нөкис–Алматы–Нөкис», «Нөкис–Стамбул–Нөкис» жөнелиси бойынша халықаралық авиарейслер, сондай-ақ, Қазақстан Республикасының Маңғыстаў ўәлаяты, Ақтаў қаласына «Нөкис– Маңғыстаў–Нөкис» жөнелисинде жолаўшы поездларының қатнаўы жолға қойылды.

Сессияда, усы жылдың жуўмағына аймағымызға ишки туристлер санын 2 млн.ға, сырт елли туристлер санын 200 мыңға, туризм экспорты көлеми 30 миллион долларға ҳәмде жайластырыў орынларын 113 ке жеткериў режелестирилгени атап өтилди.

Депутатлар тәрепинен бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

24 Oct, 08:00


Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыў бойынша 2024-жыл даўамында әмелге асырылған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша басқарма баслығы Г.Изентаева баянат жасады.

2021-жылы аймақта 27 жайластырыў орны, 44 туроператор жумыс алып барған болса, бүгинги күнге келип 111 жайластырыў орны, 74 туроператорлық субъекти, арнаўлы транспортлар жергиликли ҳәм сырт елли туристлерге хызмет көрсетпекте.

Соңғы жылларда елимизге келип атырған сырт елли туристлердиң жоқары өсиў динамикасы бақланбақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстанға 2021-жылы 287 мың жергиликли, 24 мың сырт елли туристлер келген болса, 2024-жыл басынан берли 1 млн. 914 мың жергиликли ҳәм 190 мыңға жақын сырт елли туристлер келди. Өткен 9 ай жуўмағы бойынша туризм хызметлери экспорты көлеми 27,53 млн. АҚШ долларды қурады.

2024-жылы Қарақалпақстанда туризм тараўы бойынша улыўма муғдары 149,3 млрд. сўмлық 36 инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген болып, буның нәтийжесинде 209 жаңа жумыс орнының жаратылыўы нәзерде тутылған.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, туризм тараўын раўажландырыў, тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў ҳәм аймақтың туристлик потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде «DMO Karakalpakstan» жәмийетлик бирлеспеси ҳәм Туризм комитети жанындағы «Milliy PR» МУКтың Қарақалпақстан Республикасы филиалы шөлкемлестирилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

24 Oct, 08:00


Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы Министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы Министри Қ.Айтбаев баянат жасады.

Қарақалпақстанда 2024-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың рейтинг баҳалаў көрсеткишлери, әмелий режелери ҳәмде бул бағдарда анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Министрлик, оның қала ҳәм районлық бөлимлери, министрлик қурамындағы кәрханалар тәрепинен 2024-2025-жыллар даўамында көп квартиралы үй-жай фондын сақлаў, олардың техникалық жағдайларын монторинг етиў, соның ишинде, үй-жай фондын ири ҳәм жеңил оңлаў, үй-жайларды басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў, ыссылық тәмийнаты системаларын раўажландырыў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.

Республикамыздың қала ҳәм районлары аймақларында жәми 1634 көп квартиралы турақ жайлар бар болып, соннан, 1156 жайға 31 басқарыў шөлкемлери ҳәм 91 жайға 10 турақ-жай ийелери шерикликлери хызмет көрсетип келмекте.

Усы жыл даўамында көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетиўши басқарыў шөлкемлериниң 931,3 млн. сумлық мәжбүрий төлемлери есабынан 86 көп квартиралы турақ жайларға жеңил оңлаў жумыслары әмелге асырылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

24 Oct, 08:00


Бүгинги күнде басқарыў шөлкемлерине бириктирилген көп квартиралы турақ жай мүлкдарлары менен шәртнама дүзиў жумыслары 96 пайызға орынланды ҳәм шәртнама дүзиў жумыслары даўам етпекте. Басқарыў шөлкемлериниң усы күнге дейин жәми 5,9 млрд. сумлық мәжбүрий төлемлери өндирилди.

Республикамыз аймағында жайласқан 1634 көп квартиралы турақ жайлардан 18344 квартиралы 541 турақ жай орайласқан ыссылық тәмийнаты ҳәм еки контурлы заманагөй қазанлар менен тәмийинленген. Қалған 15306 квартиралы 427 көп квартиралы турақ жайлар заманагөй еки контурлы ысытыў қазанларынан пайдаланып келмекте.

Сессияда бүгинги күнде республикамыз аймағында 27,2 км. ыссылық тармақларынан ибарат саз жағдайдағы 3 қазанхана халыққа хызмет көрсетип атырғаны атап өтилди.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

24 Oct, 08:00


Күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша аўыл хожалығы тараўында дийқан ҳәм фермерлер ушын барлық қолайлы шәраятлар жаратыў, олардың материаллық техникалық базасын жылдан-жылға жақсылап барыў, ушырасып атырған машқалаларын шешиўде басшы кадрлардың орны әҳмийетли екенлиги атап өтилди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Тешаев Шуҳрат Жўрақулович тайынланды.

Ш.Тешаев буннан алдын Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығының биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барған. Сондай-ақ, мийнет жолы даўамында Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министриниң агротехнология мәселелери бойынша биринши орынбасары, Өзбекстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министри сыяқлы сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларды табыслы атқарған.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube

Караозек хабарлары

24 Oct, 08:00


Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары бойынша болып, бул мәселе бойынша  Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Зухра Реймова баянат жасады.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube