"Қарақалпақ нақыл-мақаллары" @naqillar Channel on Telegram

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

@naqillar


Нақылды бир айтпаса,
Ақылсыз айтпайды.
Ақыллы адам аңгимесин,
Нақылсыз айтпайды.

Нақыл мақаллар жөнинде сораўлар ҳәм усынысларыңыз болса төмендеги телеграм ботымызға жолласаңыз болады.
@QrBaylanis_bot

Канал 07.02.2020. да өз искерлигин баслады.

Қарақалпақ нақыл-мақаллары (Karakalpak)

Қарақалпақ нақыл-мақаллары каналы – бұл Қарақалпақ тілінде танымал нақылдар мен мақалаларды үйренуге арналған телеграм каналы. Каналда қиздар-қарындасы танықтыруда пайдалы бола алатын нақылдар мен ақпараттар таратылады. Өйткені, нақыл мақаллар жөнінде сорауларыңыз болса, усынысларыңыз болса, төмендегі телеграм ботымызға қосылыңыз: @QrBaylanis_bot. Бұл бот арқылы Қарақалпақ тілінде нақылдар мен мақалалар туралы ақпарат алуға мүмкіндік береді. Канал 2020 жылдың 7 ақпан күні іскери көзден өткен, сондай-ақ оның ішкересі басталды. Сіз де Қарақалпақ тілінен нақыл-мақаллар туралы шешімдер білгіге салу үшін бұл каналға қосылыңыз!

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

03 Feb, 18:41


Тек ғана сиз ушын🥳🥳🥳

Жетискенликке жетиўге ҳәр қыйлы факторлар себеп болады.

Мысал ретинде алатуғын болсақ:
Турақлы түрде илим алыў, жаңа нәрселерди үйрениў ҳәм дурыс орталықта болыў. @KitaapClub да билимиңизды асырың ҳәм дурыс орталықта бирге раўажланың. Мениң жеке өзим де усы клуб ағзасыман қосылыўды усыныс етемен

Егер де сиз @naqillar промокодын ислетсеңиз бар жоғы 5000 сумға қосылыў имканияты бар. (Яғный мен @naqillar каналынанман десеңиз сизге арнаўлы шегирмелер бар)

Асығың шегирме мүддети шекленген!

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

28 Jan, 16:47


Эй, кудайым, бүйтип қыйнағанша ғаррының изинен мени де
алағойсаңо — деп жылайтуғын едим сондайда. Тағы изинен «әси кетсем кайттым» деп жағама түкиремен. Мен өлсем, мына нәрестелердиң ҳалы не кешеди?
«Ишпесең тамақ жаман, уйкыламасаң қабақ жаман» деген, гез-гезинде үшеўғанамыздың тамағымыз тойыўы уўайым болды. Әйтеўир
биреўдиң келисин түйдим, биреўдиң дигирманын тарттым. Түбинде, өлмес аўқат пенен күн кеширдик .

М.Нызанов "Ашық болмаған ким бар" романынан үзинди


@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

28 Jan, 03:34


Ишпесең тамак жаман, уйкыламасаң кабак жаман.

Аукат пенен уйкыда ар болмайды.

Жарлы болсаң, арлы болма.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

13 Jan, 17:26


Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлтек түрлери

Өзи түйели жүрип,
Пиядаға «буқ» дейди.

Еленип алған шалымды,
Ешки теўип өлтиреди.

Түйеден жығылғанның гәпи жоқ,
Түсемен дегенше алағадасы жаман.

Ақсақ аяқ, өли аяқ,
Сүйреп барған саў аяқ.

Ҳәркимниң бир дәрти бар,
Ғарры қыздың яр дәрти бар.

Жырдың малы – жинниң малы.

Сен де маңлайсыз, мен де маңлайсыз,
Әлле аңлайсыз, әлле аңламайсыз.

Отын деген шөп болар,
Тере берсең, көп болар.

Ешкиниң жүни аў болмайды,
Тентектен туўған саў болмайды.

Қара тақан жейин деген асым ба еди?
Тоқсан бес жас көрейин деген жасым ба еди?

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

10 Jan, 17:22


Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлтек түрлери.

Ессиз ғана бийдайды,
Тақан қылмай нан қылды.

Ғарға ғарқылдап ғаз болмас,
Кемпир сыңқылдап қыз болмас.

Ғарры түйе бақыраўық,
Ғарры қораз шақыраўық.

Арбаның жаман жери,
Жолдың жаман жерине келеди.

Мурнымның пушығынан қабарым жоқ,
Сәңкийип сала бериппен.

Бир жилли менен бир саў қосылса,
Жағаласқан жаўдай болады.
Еки жилли қосылса,
Ағайинли саўдай болады.

Бир аўыз әңгимениң,
Еки аўыз лийикини болады.

Көлдиң қуты кетсе,
Үш жыл бурын қутаны кетеди.

Алып болсаң үсириңди,
Аўлаққа сал дүсириңди.

Ақ қуланды алсаң ары тур.

Оң қолым, сол қолым,
Бәри де өз қолым.

Атаңда жоқ арғымақ,
Енең де жоқ арғымақ.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

10 Jan, 17:18


Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлтек түрлери.

Жаманға ис тапсырсаң,
Қаратады жолаўшыға.

Жақсылар дусласпаға келеди,
Шешенлер айтыспаға келеди.
Мереке жайғастыра алмаған,
Көпшиликти мушластырыўға келеди.

Жаў жоқта ҳәмме батыр.

Қолың көтере алмаған шоқмарды,
Белиңе неге байладың?

Соқырдың қолына,
Саңыраўдың астына түспе.

Тентектиң ақылы түстен кейин енеди.

Сыпайы тоңбас, қалтырар.

«Жаў келди» деп,
Жүрисимнен жаңылайын ба?
«Әкем өлди» деп,
Күлисимнен жаңылайын ба?

Жарақлыға жаў жолықпайды.

«Ўарқ» еттик, «шарқ» еттик,
Жаздың өткенин билмей қалдық.

Сумлықты ала тана баслайды.

Уәде-ақ қумнан табысқайлы болсын.

Той өткен соң, даңғара.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

01 Jan, 15:24


#Күн_нақылы

Бизиң балада кемис қалмады,
Қалып турғаны – үйлениў тойы.


@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

01 Jan, 15:12


Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлтек түрлери.

Ҳәр гелледе бир қыял,
Соқыр таўыққа бәри тары.

Өзим паспанда болсам да,
Кеўилим әл-аспанда.

Ғазға ерип, ғарғаның шаты айрылады.

Майға ерип өпке де қалқады.

Қолын жуўып бос қалғаннан сақла.

Пискен астың күйиги жаман.

Ертеңги қуйрықтан,
Бүгинги өкпе артық.

Көп қыдырған жолығар үзбентайға.

Саған кимниң сөзи бар, Қосым палўан,
Әкеңнин еки жүзли пышағы бар.

Тышқанның әжели жетсе,
Пышықтың қуйрығын тислейди.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

08 Dec, 07:32


ҚарақалпақСТАН

Бизиң ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхымыз бар...
Ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы бабаларымыз бар...
Ҳәўес етсе арзыйтуғын бийбаҳа байлықларымыз бар...

1924-жылы Орта Азия халықларын миллий шегаралаў, ҳәрбир миллетти ғәрезсиз республика етиў ҳаққында мәжилис болып өтипти. Мәжилисте өз халқының аты тилге алынбағанлығына ары келген Досназаров орнынан ушып турып:
Қарақалпақларды умытыўға кимниң ҳақы бар?,-депти.
Қарақалпақлар теңиз бойында жасаўшы, басына қара қалпақ кийгенлиги ушын сондай ат алған Хорезмниң өзбеклери ғой,-депти сол жерде отырған биреў.
Яқ, қазақлардың қара калпақлы бир ағайини,-депти және биреў.
Яқ, қарақалпақлар ақ қалпақлы қырғыздың қара қалпақлы егизеклери,-депти және биреў. Олардан кейин жер астынан шыққандай буўық бир даўыс:
Орта Азияда қарақалпақ деген бөлек миллет бар ма өзи?,-депти жүреклерге ғулғула салып. Досназаров бул гәплерге итибар бермей, мәжилис баслығынан рухсат та сорамай, туппа-туўры минберге шығып:
Жолдаслар, қарақалпақ  миллети бар!,-депти. Шаўқым басылғаннан кейин әллеким:
Тилиңиз кимлерге  жақын?,-депти.
Қарақалпақлар қарашай, ноғай, қумық, қазақ, қырғыз, түркмен, әзербайжан,  татар, башқурт тиллери менен бир теректиң ҳәртүрли шақларына уқсайды... Кейин ол Әжинияздың "Бозатаў" поэмасын оқып берипти. Оның гәплерин Калинин, өзбек Файзулла Хожаев, қазақ Сәкен Сейфуллин, түркмен Қайғысыз Атабаевлар қоллап-қуўатлап, қарақалпақлар бөлек бир халық екенин айтыпты. Ҳәмме бир аўыздан "Қарақалпақларға автономия берилсин!" деп әдеттегидей бир қолын емес, еки қолын да көтерипти. Ғаўырлы тынғаннан  кейин биреў:
Ҳәрбир миллеттиң атақлы адамлары болады. Бирақ, бизлер усы ўақытқа шекем қарақалпақлардың атақлы адамларын еситпеген екенбиз..,-депти.  Сонда Досназаров былай деп жуўап  берипти:
Қарақалпақ деген  халық барын еситпеген сиздей қулағы аўыр адам оның атақлы адамларын  қаяқтанам билсин?! Жақсылап еситип ал, айтаман! Өзбеклер ушын – Наўайы, түркменлер ушын – Мақтумқулы, орыслар  ушын – Пушкин, қазақлар ушын – Абай қандай қәдирли болса, Бердақ деген шайыр қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Мәмлекет баслықларынан мысал айтсақ, орыслар ушын Петр I қандай қәдирли болса, XVIII әсирде жасаған Маманбий биз қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Ҳәзирги дәўирге келсек, Ф.Хожаев – өзбеклердиң, С.Сейфуллин – қазақлардың ар-намысы ушын қандай гүрескен болса,  мине, мен – Аллаяр Досназаров солар қатарындаман,-деп сөзин тамамлапты. Соннан баслап Қарақалпақ сөзине "стан" қосымтасын қосып жаза баслапты. Сол бир ала сапыранлы XX әсирдиң жигирмаланшыл жылларындағы тарыдай шашылып жүрген қарақалпақ халқын бириктирип, оның мәмлекетлик шегарасын белгилеп, шаңарақ тиклеп берген ел перзенти  Аллаяр Қораз улы Досназаровқа әўладлар алғысы шексиз.

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

03 Dec, 17:14


#Жаңалық

Ассалаўма алейкум ҳүрметли канал ағзалары!

Ендиликте каналымызда китапларыңызды тек сатып қоймай басқалар менен алмассаңыз яки саўға қылсаңыз болады.

Бул жаңалықты досларыңыз бенен де бөлисиң.
Излеп жүрген китапларыңызды бизден тапсаңыз, сизге пайдамыз тийсе қуўанышлы болар едик.

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

02 Dec, 14:36


QORAQALPOQ
Ibroyim Yusupov she’ri
Abdulla Oripov tarjimasi


Qoraqalpog’istonlik barcha do’stlarni qoraqalpoq tili bayrami bilan tabriklaymiz!
________________
Rejissorlar:
Erkin Bozorov, Sunmatilla Ermatov
Tasvirchi: Hojiakbar Nurmuhammedov
Ovoz rejissori: Elbek Hamdamov
Hamkorimiz: @xalqbankinfo
Colorist: Bahriddin Shavqiyev
Ijrochilar: Asadbek Bobojonov, Jasurbek Amangeldi (qoraqalpoq ukalarim, O’zbekiston Davlat San’at va Madaniyat instituti talabalari)

Maslakdoshimiz Akilbek Piyazovga, tuhfa etilgan ushbu saylanma kitob uchun Nigora Umarovaga tashakkur bildiramiz!

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

01 Dec, 03:30


Ана тилиме

Жыраў сени бәйги атындай баплаған,
Шешенлер даўда шынтлап сени таплаған.
Алпамыслар уран етип урыста,
Бердақ сени қурал етип саплаған.

Байтерексең өскен гөне тамырдан,
Дилўарлығың қыл суўырған қамырдан.
Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса,
Сөз қыйсыны ғәзийнеңнен табылған.

Гүлпаршынлар баўыры оттай қамылып,
қызлар сыңсып муңын айтқан шағынып,
Сен арқалы ханды жумсап қатынлар,
Әжинияз сайраған елин сағынып.

Нақылларын шағып көрсем маңыздан.
Жуўабысаң зейин суўын ағызған.
Атам саған азаматлық жан берип,
Анам саған мийрим сүтин тамызған.

Ырасгөйсең дурысын айтқан аңқылдап,
Саҳрайысаң қатты даўыс шаңқылдақ.
Жалған сөйлеп жағыныўды билмейсең,
Сыбырласаң ғазлар үркер ғаңқылдап.

Мен теңеймен сени жеген наныма,
Уўыз бенен руўхың сиңген қаныма.
Ес билгели тил жатырқап көрмедим.
Бирақ сен дым жақынсаң-аў жаныма!

Сазға қоссам, ҳаўалаған аласар,
Илме султан суўлығың жарасар.
Қандай жақсы ағайынның көплиги!
<<Жақынбыз>> деп саған көп тил таласар.

Ана тилим, сен-басқадан айырмам,
Сен турғанда мен де әдеўир шайырман.
Сонша қатал сүргинлерден жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман.

Ибрайым Юсупов.

@naqillar‌‌

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

01 Dec, 03:00


Ана тилим

Ана тилим бабамнан мийрас едиң,
Жийен менен Бердаққа муңлас едиң.
Жәҳәнниң жүздей тилин меңгерсемде,
Мен сени ҳеш бирине қыймас едим!

Ана тилим мәңги жаса миллет пенен,
Тилге алсын халықлар сени ҳүрмет пенен.
Билмегенлер билип қойсын жер бетинде,
Бар екенин Қарақалпақ миллет деген!

Қуўандық Атабаев.

@naqillar.
@i_madiy.

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

30 Nov, 21:24


Келиң challange баслаймыз, ҳəмме телеграм профиллерине жоқарыдағы фотоны қояды.

Профилиңизди screenshot қылып пикир билдириў бөлимине таслаймыз

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

30 Nov, 21:11


#Қарақалпақ_тили_байрамына_35_жыл

Ассалаўма әлийкүм, Қәдирли заманласлар! Әзийз дослар!

1-декабрь Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилген күн. Сол мүнәсибет пенен пүткил  Қарақалпақ халқын  байрам менен  қутлықлаймыз!

Ҳәр жылы тил байрамын аўызбиршиликтe, көтеринки кейпиятта байрамлап жүриў бәрше бәшемизге несийп етсин!

Қарақалпақ тилин таза сап ҳалында келешек әўладқа жеткерип бериў миннетимиз ҳәм ўазыйпамыз екенин умытпайық әзийлер.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

30 Nov, 18:09


Канал раўажы ушын премиуми барлар каналга даўыс берип кетиң

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

29 Nov, 14:55




Бул қай жер екенин билесиз бе?

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

27 Nov, 08:06


📚Қарақалпақша ай атлары ҳәм келип шығыў тарийхы

1. Дəлиў - (Январь ) Рим əпсаналарындағы Янус ҳүрметине " yanvarius" деп аталған.

2. Ҳүт - (Февраль ) Латынша "fevruarius" " тазаланыў, пəклениў" мəнисин аңлатқан;

3. Ҳəмал - (Март ) Дийқанлар ҳəм шопанлардың қəўендери Марс ҳүрметине " martius" сөзинен алынған;

4. Сəуир - (Апрель) Әтирапты гүллерге безеўши бул гөззал ай аты "Apfıre" сөзинен келип шыққан болып, өз гөззаллықларын инам етиўши деген мəнисти аңлатқан;

5. Жаўза - (Май) Майя " Мayus" атынан алынған болып " гөззаллық, шадықоррамлық" айы есапланады;

6. Саратан - (Июнь ) Юпитер өмирлик жолдасы Yunona ҳүрметине қойылған;

7. Ҳәсет - (Июль) Рим мəмлекетлик ғайраткери ҳəм лəшкербасысы Юлий Цезарь ҳүрметине аталған;

8. Сүмбиле - (Август ) Рим императоры "Oktavian Avgust" ҳүрмети ушын қойылған;

9. Мийзан - (Сентябрь) - "September" (жети) деген сөзлерден алынған;

10. Ақырап - (Октябрь) - "Oktober" (сегиз) деген сөзлерден алынған;

11. Қаўыс - (Ноябрь) - " November" (тоғыз) деген сөзлерден алынған;

12. Жедди - (Декабрь) - "Desember" (он) деген сөзлерден алынған.

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

24 Nov, 16:13


#Неге_усылай_аталған

МОЙНАҚ

А. Бегимовтың «Балықшының қызы» атлы романында Мойнақтың пайда болыўын әдеўир гәп еткен. «Хәзирги Мойнақтың жерлери бир неше ўақыт тениз, бир неше ўақыт қурғақлық, болып өзгерип турған. Ғаррылардың сөзлери не қарағанда буннан бир неше жыл Мойнақтан Ургеге шекем қурғақлық екен, сол ўақыттағы жақын елатлардың Тоқмақ атадан Ургеге шекем дуз тасыйтуғын түйе жолы болған. Ол замандағы Мойнақ тоғайлық болған. Жақын жердеги еллер бул жерден кийик, қоян, түлкиге усаған аң аулаған. Сол күнлерде Мойнақтын артындағы өзимизге белгили мынаў таў (қумшық) тоғайдың үстинде аппақ түйениң мойнындай болып көринеди екен. Соны адамлар «Мойны ақ» деп атаған. Соңын ала «Мойны ақ» деўдиң орнына «Мойнақ» деп атап жиберген.

©Қәлендер Әбдимуратов "Неге усылай аталған" китабы

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

22 Nov, 18:44


Басқалар бахытлырақ көринеди

"Бахытлы болыўды қәлесек махсетке аңсат ерисе алған болар едик. Биз басқалардан бахытлырақ болыўды қәлеймиз, соның ушын да ерисе алмаймыз"
деп айтқан еди Франсуз жазыўшысы Мишель де Монтень 5-әсир алдын.

Инстаграм дәўиринде өмиринен наразылар көбейди. Өз өмири себепли емес, өзгелердиң өмири себепли.

@avezovs_page

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

22 Nov, 18:44


Шынында да бахытлы болыў аңсат, оның ушын өзимиздеги бар нәрселерди көре алыўымыздың өзи жеткиликли.

@avezovs_page

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

21 Nov, 18:03


Жумбақтың жуўабы:

Жигит мингестирип киятырған қыз, қарындасы болады.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

20 Nov, 03:15


🤔Жумбақтың жуўабын ким биледи?

Бир жигит бир қызды атына мингестирип киятыр екен, сонда алдынан бир жигит шығып
«Мына қызды алып қашып киятырсаңба?» – дейди.

☝️Сонда қыз:
– Ҳәй-ҳәй жигит, ҳәй жигит,
Абайлап сөйле сен жигит,
Бул жигиттиң қайын енеси,
Мениң анамның қудағайы,
Сонда мен неси боламан дейди,

Жуўабыңызды
пикирлер бөлиминде күтип қаламыз.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

19 Nov, 18:51


#Күн_нақылы

Әңгиме сүймеген,
Дигирман қурады,
Қонақ сүймеген,
Баласын урады.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

18 Nov, 16:30


@Karsu_Grants камандасынан және бир жаңалық!

23-ноябрь күни саат 20:00 де Венгрия Университетлерине грант утып билим алып атырған студентлер тәрепинен даўыслы чат шөлкемлестирилип атыр.

Даўыслы чат даўмында төмендеги мағлыўматларды билип аласыз

• "Stipendium Hungaricum" қандай грант?
• Ҳүжжет тапсырыў басқышлары
• Бул грантқа менторсыз тапсырыў ҳаққында билип алыўыңыз мүмкин

Толық мағлыўмат

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

18 Nov, 16:11


Оқыўыңызды шет елде топ университетлерде даўам еттириўди ойлап жүрсиз бе?

Ҳалық аралық грантлар ҳаққындағы мағлыўматларды излеп жүрсиз бе?

Енди бул сораўлардың барлығына @Karsu_Grants каналынан жуўап алсаңыз болады.

Бул каналда сиз:

•Халық аралық грантлар
•Академиялық мобиллик дәстүрлер
•Илимий стажировкалар ҳаққында мағлыўматларды қарақалпақ тилинде алыўыңыз мүмкин.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

17 Nov, 03:07


"Нөкис" сөзиниң келип шығыўы ҳаққында кимде қандай мағлыўмат бар?
Бар болса төменге пикир билдириў бөлимине кирип жазып кетиң.

Сизиң пикириңиз биз ушын қәдирли!

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

15 Nov, 18:33


Әпиўайы нәрселерден заўық ала алмаў:

Мәселен, кимдур (қум шекери көп) мазалы аўқатларға байланып қалған болса ,әпиўайы аўқатлардан кеўли толмайды.

Технологияға байланған адам китап яки тәбият қойнында жүриўден заўық ала алмайды, себеби бул ис ҳәрекетлери дофоминди азырақ шығарады.

Бул жағдайды Анне Лембке "Дофомин жетиспеўшилиги" деп атайды. Тәбийий рәўиште бас мыйге керек болған дофомин жетиспегенликтен тең салмақлық жоғалады.

Бул жағдайды өз орнына қайтарыў ушын бир нәрселерден ўақытша ўаз кешиў ("дофомин детокси") зәрүр.

Мәселен, бир ҳәпте даўамында мазалы нәрселер жемең яки телефоныңызды бир саат пайдаланың. Мыйыңызға қайта тиклениўи ушын ўақыт бериң. Бул менен әпиўайы нәрселерден зақық ала алыўды қайта тиклеў мүмкин.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

15 Nov, 17:58


Ҳәдден тысқары заўық ҳәм бахытсызлық ортасындағы байланыслылық

Станфорд университетиниң психиатрия ҳәм нәшебентлик бойынша қәнийгеси Анне Лембке "Dopamine Notion" китабында төмендеги мағлыўматларды жазып өткен:

Заўықтын ҳәдден тысқары көбейиўи де машқала

Заманогөй дүняда ҳәр нәрсеге аңсатлық пенен ерисиў мүмкин болып қалды.

(Қумшекери көп) Мазалы яки майлы тез тайяр болатуғын аўқатлар, аңсат табылады.

Технология (телефон, социял тармақлар, видео ойынлар) заўық алыўды тезлестирип жиберди.

Интернет дүкән ҳәм жеткерип бериў хизметлери заўықландырыўшы тәжрийбелерди қәлеген ўақытта инәм етип атыр.

Бул жағдайлар бас мыйымиздиң заўық алыўға үйренип қалыўына алып келеди.

Дофоминниң ҳәдден тысқары көбейиўине алып келеди. Дофоминниң артыўы мый искерлигин бузады.

Турақлы түрде "Жаңа ҳәм күшлирек заўық" излеў әдети қәлиплеседи.

Бул жағдай стресс, қайғырыў ҳәм депрессия (әпиўайы нәрселерден заўық ала алмаў) киби жағдайларды күшейтеди.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

15 Nov, 15:47


#Неге_усылай_аталған

НӨКИС

Нөкис» деген сөз парсы тилиндеги «Нукэс» деген сөзден келип шыққан «Нукэс» деген сөздиң келип шығыўы туўралы халық аузында көп аңыз сөзлер бар. Бир дәўирде хан өзиниң есигинде жүрген тоғыз қатынға қәҳәрленип, оларды елден шет жерге жер аударып жибереди. Ол жер ҳәзирги Хожели әтираплары болыўы керек. Хан бул қатынларға өмиринше ерге тиймеўге буйырады. Олардың қоныс басып отырған жерлери сол дәўирдеги саўда жолының маңлайы екен.

Иран саўдагерлери булар менен астыртын байланыс жасап, оларға ўақытшаг үйленеди. Тоғыз қатын тоғыз ул туўған. Олар ержетип, камалға келгеннен кейин жаўынгер болып, саўашларда даңқын шығарады. Буларды адамлар Нукәс деп атаған. Парсы тилинде бул тоғыз киси деген сөз.

Ну - тоғыз, кэс - адам деген мәниде. Бул жерде «Ну-кэс» сөзи дара мәниге ийе болған еки түбир сөз- лерден қуралған. Бирақ бул бир атаманың атын аңлатып кетип, өзиниң бойында тек гөне түбирлик кәсийетин сақлап қалған. Парсы тилиндеги «Кәс» сөзиниң элементи ҳозирги қарақалпақ тилинин составында да қолланылып жүргенлигин айтып өтиўге болады. Мәселен, жапакем, арбакеш, пахтакеш деген сөзлердеги «кеш» суффикси дәслепки сөзлер менен қуралып қәсипшиликти, адам мәни- син аңлатып кеткен, Жапакеш жапа шеккен адам, арбакеш арба айдаўшы адам, пахтакеш пахта да ислеў ши адам ҳәм т. б.
«Нукэс» кем-кемнен «Нөкис» болып айтылын кеткен.

©Қәлендер Әбдимуратов "Неге усылай аталған" китабы

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

14 Nov, 14:16


#Неге_усылай_аталған

АРАЛ ТЕҢИЗИ

Арал теңизи атамасының келин шығыўы туўралы еки пикир бар. Биринши академик Л. Бергтин пикири, оның уйғарыўынша «Арал-деген ат ондағы жасаған елдиң, яғный Араллылардың» аты менен келип шыққан. Л. Берг Рычковтың 1755-жылы жазған «Арал-бул көп атаўлы болғанлықтан аталса керек» деген уйғарыўын бийкарлаўға тырысады. Ол бул туўралы белгили Хорезм тарийхшысы Абулғазының пикирине сүйенеди. Абулғазының сөзи бойынша Арал деп Әмудәрьяның теңизге қуяр жерин айтқан. Дәрьяның теңизге қуяр жериндеги дельтада (Аралда) «Араллылар» деп аталған халық жасаған. Усы халықтың аты менен Арал теңизи аталған деп уйғарады. Екиншиси Рычковтың пикири (1755). Ол да жергиликли халықтың айтыўына сүйене отырып Арал көп атаўлы көл деген мәниде аталған деп болжайды.

©Қәлендер Әбдимуратов "Неге усылай аталған" китабы

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

13 Nov, 13:03


#Неге_усылай_аталған

БАРСА КЕЛМЕС

Арал теңизинде «Барса келмес» деген атаў бар. Бул туўралы да түрли халық аңызлары тилден-тилге айтылып жүр. «Барса келмес» көлеми жағынан әдеўир үлкен атаў. Онда мал оты ушын жуғымлы от-шөплер, түрли өсимликлер өседи. Бурынлары Арал жағалаўларында отырған байлар, қыс күнлери өзлериниң малларын қыслатыў ушын Барса келмеске алып келип, ерте бәҳәрде муз ериў алды малларды алып кетеди екен. Бир жылы бәҳәр ерте келип, күтилмеген ўақта бирден муз түсип кетип, маллар қайта алмай атаўлап қалған. Бул ҳәдийседен кейин халық бул жерди «Барса кел мес» деп атаған. Бул туўралы халық аңызының басқа бир түринде, бир ўақытта атаўда үлкен сең басыў апатшылығы болған. Онда турған адамлар ҳәммеси набыт болып жан-жаныўарлар қырғынға ушырайды екен.

©Қәлендер Әбдимуратов "Неге усылай аталған" китабы

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

12 Nov, 17:19


Аўыз биршилик қайда болса,
Берекет сонда болады.

@naqillar‌‌

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

07 Nov, 18:52


ҲӘР ТҮРЛИ ӨНЕР-БИЛИМ АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР

Билимли мынды жығады,
Билекли бирди жығады.

Ақыл жаста емес, баста.

Билгеннин тусындаман,
Билмегеннен өтип баратырман.

Оқысаң озарсаң,
Оқымасаң тозарсаң.

Өзиң билсең өзгеге үйрет,
Билмегенинди үйрен.

Халыққа ис көрсеткен мəрт өлмейди,
Тарийхқа жазып кеткен хат өлмейди.

Оқиў ой азығы,
Билим - ер азығы.

Өнери жоқ кисинин,
Мазасы жоқ исинин.

Жигитке қырқ өнер де аз.

Өнерли қол арымас,
Өнерсиз қол жарымас.

Өнерди үйрен, үйрен де жийрен.

Өнер, өнерге бəри көнер.

Билим-ақылдың ширағы.

Билимниң көплиги жоқ,
Өнердин артықлығы жоқ.

Алым менен дос болсаң,
Жетерсең муратқа.
Залым менен дос болсаң,
Қаларсаң уятқа.

Жаста алган билимин,
Тасқа жазган хат пенен тең.

Оқый берсеň көзиң ашылар,
Жата берсең уйқы басар.

Жас пенен гарры билимде теңлесер,
Хан менен қара майданда теңлесер.
Жақсы менен жаман өлгенде теңлесер.

Кешеги-бүгинниң өлшеўи болмайды.

Оқыған озады,
Оқымаған тозады.

Асық ойнаган азар,
Топ ойнаган тозар,
Ҳəммесинен көп оқип,
Билим алган озар.

Бөдене сойғызсаң да,
Қассапқа сойғыз.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

07 Nov, 17:43


#Неге_усылай_аталған

ӘМУДӘРЬЯ
Әмудәрьяның келип шығыўы туўралы биз айырым дереклерге тийкарлана отырып, буны VI әсирдеги Амуль (ҳәзирги Чарджаў қаласының орнында бурын Амуль деген қала болған) қаласының аты менен байла- ныслы пайда болған болыўы итимал деп есаплаймыз. Академик В. В. Бартольд Әмудәрья туўралы мынадай пикирлерди келтирген: Әмудәрьяның ҳәзирги темир жол өтип турған орнында бурын белгили өткел болған Орта әсирлерде бул жерде Амуль деген қала жайласқан. Әмудәрьяның сол жағында Амуль қаласы, оң жағында Фа раб турған. Қаланың айналасы кең жүзимшилик ҳәм мәдениятлы бақшылық болған. Айрықша дәрьяның сол жағы суўғарып егилетуғын егисликке күтә қолайлы болады. Мине, усы Амуль қаласының аты менен Әмудәрья болып аталған. Ҳәзирги Чарджоў (дәрьяның төрт тармағы деген мәнисти аңлатады), усы қаланың орнында XVI әсирде пайда болады. Соннан берли Амуль қаласының аты кем-кемнен жоғалып кеткен.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

07 Nov, 17:21


#Неге_усылай_аталған

АДАҚ АРБА
Адақ, Аяқ дегенде сөзлердин бир-бирине жақын уқсаслығы сақланған ҳәм ҳәзирги қарақалпақ тилиндеги айтылып жүрген «Адақ арба» деген тиркести биз «Аяқ арба» деп те түсине аламыз. Себеби адақ арбаның жаңа еңбеклеген жас балалардың аяқланып жүрип кетиўи ушын пайдаланылатуғынлығы ҳәммеге мәлим. Сондай-ақ Ойрат, Хакас тиллеринин лексикасында Адақ сөзи ҳәзирде актив қолланылады. Сонлықтан бул сөз тюрк тиллеринде «Аяқ» деген сөздиң гене формасы болыўы мүмкин. Демек адақ, аяқ бир-бирине өз ара туўысқан мәнили сөзлер.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

05 Nov, 18:24


#Неге_усылай_аталған

ХОЖЕЛИ
Хожели қаласы (бул бурын Хожа ели деп аталып, хожалардың ели, яғный пайғамбар әўладлары деген мәнисти аңлатқан) халқы күтә тығыз жайласқан, бундағы халықтың басым көпшилиги хожалар болған. Олар өзлерин пайғамбар әўладымыз дейди екен?
Дурысында бул қала бурын хожалардың тығыз жәм лескен орайы болған, Абулғазы ханның тусында Хожели кала болып еле курылмаған еди. Хожели корғанының қала болып дәслепки пайда болыўы XVII әсирдин ақырларына жатады. Хожели бул ўақытта Арал менен Хийўа орталығындағы кәрўанлар тоқтап өтетуғын саўда жолы болған. Кейнирек ол Араллылардың Хийўа менен гүресинде беккем қорғаны ҳәм сиясий орайы болады.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

05 Nov, 02:00


#Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер

Аспан бир жаўса, терек еки жаўады.

Тәбиятта жамғыр жаўып тынғаннан кейин теректиң жапырағында иркилип калған жаўын тамшылары бираз ўақытқа дейин тамшылап турады. Бул нақыл болып өткен кишкене бир қолайсыз жағдайды, өтип кеткеннен кейин де даңғара қылып, ғаўасат таратып жүрген адам ға айтылады.

Даңғара қылды - ҳаўаза етти, жайды

Ғаўасат - Мыш-мыш, өтирик, өсек сөзлер, тастыйқланбаған хабар.

Дерек: М.Нызановтың "Қарақалпақлар роман-эссе" синен алынды.


@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

04 Nov, 18:28


#Неге_усылай_аталған

ҚЫЗКЕТКЕН

Қызкеткен тәрипи революциядан бурынғы адамларға кеңнен мәлим болған. Хан заманында суўға кемтарлық болған аўыр күнлерде Қызкеткен болған, бирақ ол дәўирде жер де, суў да байлардики еди, пухара халық жер-суў ушын неше ўақыт муңлы азаплар шеккен. Қызкеткен тарийхында халықтың усы басынан кеширген муңлы аўыр күнлериниң белгили сыры барлығы көринеди. Гейпара мағлыўматларға ҳәм халықтан жыйналған сөзлерге қарағанда шама менен буннан 140-150 жылдай бурын Қызкеткен ағып турған онша үлкен емес арна едн, ол усы дәўирде халық тәрепинен тыңнан жарылып қазылады. Буннан кейин оның бойына жән-жақтан ел көшип келип, партаўдан жер ашып, егин егип турмыс кеширип отырған. Мине, усы Қызкеткен ҳәдийсеси туўралы халық аузында: революциядан әдеўир жыл усы дөгеректе Толыбай деген бай болады. Ол өзиниң жеке мәпи ушын жан беретуғын, өжет, инсапсыз адам болған. Бир күнлери күтпегенде Толыбай бай Қызкеткенниң өринен байлатып, аяқтағы адамларды суўсыз қалдырады, халық бул хорлыққа шыдайалмай суў ушын гүреске бел байлайды, ер, ҳаял күн қосып, бөгетти барып ашыўга қоҳәрине минеди. Халықтың бул ҳәрекетин басқарган Гүлим деген бир қыз болган. Ол өзи ақыллы, елдеги бас көтерген қызлардың бири еди.

-Жалыныў намәрттиң иси; намыс-ар, тиришилик ушын гүресемиз-деди Гүлим елдеги адамларға қарап. Гулимнин бул сөзин қуўатлап, елдеги белли жигитлер жыйналып, атларына минеди, Гүлим бас болып барып бөгетти ашады. Бул ҳәдийсени Толыбай бай билип, сасқалақлап, жаман сумлық ис ойлайды. Ол өзине жақынжуўық адамларды жыйнап, оларды жарақландырып, Гүлимниң изинен қуўады. Аўылда суў ушын үлкен саўаш басланады. Биразлар жарадар болып, биразлар өледи. Бирақ душпанның күши басым еди, олар Гүлимди қоршап алып, аяқ-қолын таңып атқа өңгереди. Бирақ Гулим душпан алдында бас иймейди. Олар қызды суўдың жағасына апарып, «егер сен суўға қумар болсаң, суўда ширисин денең»-деп, бай Гүлимди суўға атады. Гүлим суўға кетеди. Бул халықтың басындағы үлкен қайғылы ўақыя болады. Гүлимди умытылмас ядқа алып, халық каналдың атын «Қызкеткен» деп қояды деген аңыз бар.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

04 Nov, 16:48


00:47

Дауытбай Қайыпов "Ләйлим"

Жақынларыңыз бенен бөлисиң!

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

04 Nov, 12:12


Қарақалпақ руўлары
Өз руўларыңызды жазып кетиң

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

04 Nov, 02:01


#Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер.

Туйе наз етемен деп, бир танап жерди ўайран қылады.

Ҳеш нәрсеге ебетейи жоқ адамға қарата айтылған гәп.

Жаманның аяғы сегиз,
Бири тиймесе, бири тийеди.


Бул да сондай, ебетейсиз адамға айтылатын нақыл.

Дерек: М.Нызановтың "Қарақалпақлар роман эссе" синен алынды.

@naqillar.

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

04 Nov, 02:01


#Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер.

Улың жақсы болғанша, Келиниң мусылман болсын.

Қартайған кемпир-ғаррылардьң кутими келинлердиң мойнына қалады. Сондай да улың, мийирман болғанының пайдасы жоқ, себеби, ол кебинесе жумыста болады. Ол жоқта келиннен жәбир көрген кемпир-ғарры урыс болмасын деп келининиң қылығын жасырады. Соның ушын келиниң жақсы
болсын деген гәп бул.

Дерек: М.Нызановтың "Қарақалпақлар роман эссе" синен алынды.

@naqillar.

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

03 Nov, 15:28


Өз наўбетинде айтып өтиўимиз орынлы:

Ңақыл-мақаллар телеграм каналын ашыўымыздан тийкарғы махсетимиз Қарақалпақ нақыл-мақалларын халық арасында еледе кең ен жайдырыў.

Сизде бул жойбарымыздың раўажланыўы ушын қол ушы көмегиңизди бериң. Жақын-жуўық, досларыңызға усыныс етиң!

Сизиң жәрдемиңиз биз ушын зәрүр ҳәм қәдирли!

Ҳүрмет пенен @naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

03 Nov, 14:52


Еки нәрсе адамда даўамлы болмайды: Жаслық ҳәм қуўат.

Еки нәрсе ҳәммеге бирден пайда береди: Жақсы қулық ҳәм кеңпейиллик.

Еки нәрсе адамның абыройын көтереди: кишпейиллик ҳәм басқаларға жәрдем бериў.

Бул өмирге инсан болып келдик пе, инсан болып қалайық.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

03 Nov, 02:00


#Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер.

Карлы күни қарма,
Жаўынлы күни жарма
.

Көпшилик үйде қыстың қарлы, суўық күнлеринде тоңбаў махсетинде тойымлы тағам "Қарма" желинетуғын болған.
Жаўынлы күнде болса, ошаққа жағатуғын отынлары ызғаршылықтан жаныўы қыйын болғанлығы себепли жеңил-желпи тез таййар болатуғын тағам "Жарма" писирип ишилген.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

02 Nov, 02:00


#Айырым_нақыл_мақалларға_түсиндирмелер.

Бай кийим алса қутлы болсын дейди,
Жарлы кийим алса қайдан алдың дейди.

Бәрқулла жаман-жасқап кийинип жүрген жарлы таза
кийим кийсе ерси керинетуғын болған. Сол сыяқлы биреўдиң жетискенлигине мисе тутпай қараушыларға жуўап peтинде усы нақыл қолланылады.

Дерек: М.Нызановтың "Қарақалпақлар роман эссе" синен алынды.

@naqillar.

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

01 Nov, 16:21


ДОСЛЫҚ ҲӘМ МУҲАББАТ ҲАҚҚЫНДА
НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР:

Жан достың жанынан кешседе,
Мал достың малынан кешпес.

Асы көптиң тəни семиреди,
Досы көптиң жаны семиреди.

Досың дос болсын,
Бирақ есабың дурыс болсын.

Ашшы болсаң уўдай бол,
Тийген жерин күйдирсин.
Душшы болсаң суўдай бол,
Душпаның келип сүйдирсин.

Досы көп пенен сөйлес,
Досы жоқ пенен сырлас.

Муҳаббат деген дузлы суў,
Ишесеңде шөллейсең.
Қанша ашшы болсада,
Әбизəмзəмғада бермейсең.

Достың кеўлине қарап,
Душпанға күлки болма.

Қəдирлесең қəдириң артар,
Қəдирсизден ҳəмме қашар.

Терек тамырына сүенер,
Адам досларына сүенер.

Душпан не демейди,
Түске не кирмейди.

Дослықта мəнзил болмас.

Душпанның күлгени,
Сырың билгени.

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

01 Nov, 13:33


Қарақалпақстан Республикасының Мəмлекетлик нышанлари ҳəм əҳмийетли нызамлары қашан қабыл етилгенин билетуғын ба едиңиз?

1) 1989-жил 1-декабр Қарақалпақ тили ҳаққындағы нызам қабыл етилген

2) 1990-жил 14-декабр Суверинитет
ҳаққындағы нызам қабыл етилген

3) 1992-жил 14-декабр Байрақ ҳаққындағы нызам қабыл етилген

4) 1993-жил 9-апрел Герб ҳаққындағы нызам қабыл етилген

5) 1993-жил 9-апрел Конститусия ҳаққындағы нызам қабыл етилген

6) 1993-жил 24-декабр Гимн ҳаққындағы нызам қабыл етилген.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

31 Oct, 13:30


Тил, сөз өнери ҳаққындағы нақыл-мақаллар:

Көринип бәле келмейди,
Бәлениң бәри тилиңнен.

Мал шақынан,
Адам тилинен.

Сөзиңди биреў сөйлесе,
Аўзың қызып бара ма?

Отыз тистен шыққан сөз,
Отыз урыўлы елге жайылады.

Елдиң аўзын жаппаға,
Елли ғары бөз керек.

Көп не демейди,
Бөри сабан жемейди.

Көп сөз қуранға жүк.

Дым билмесең үндеме.

Сөзиңди сөйле абайлап,
Сөзден туўар ашшылық.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

31 Oct, 03:06


Тил, сөз өнери ҳаққындағы нақыл-мақаллар:

Аталар сөзи – ақылдың көзи.

Аңламай сөйлеген,
Аўырмай өлер.

Таяқ еттен өтеди,
Сөз сүйектен өтеди.

Бир күни питип жазылар,
Дарыған тыйық жарасы.
Тил жарасы өмириңше,
Ядыңнан шықпас ызасы.

Мәнисли сөз баҳалы,
Өзи қысқа, өзи жуп.

Сөз мәнисин билмеген,
Сөзди өзине келтирер.
Гүл мәнисин билмеген.
Шақасына зил келтирер.

Тил ушы менен сөйлеме,
Өзиңе азар сөз келер.

Жыллы-жыллы сөйлесең,
Жылан инине киреди.

«Жақсы-жақсы» дерсең,
Исиң түссе билерсең.

Жигиттиң серли болғаны,
Ғабырыспай жүрсе жолынан.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

27 Oct, 15:59


Дыққат, Дыққат!

@naqillar каналын жүритиў ушын жәрдемши излеп атырмыз.

Талаплар:
•Граматикалық қәтелерсиз жазыў көнликпеси болыўы

•Креатив пикирлеў ҳәм қызықлы контентлер жарата алыў көнликпеси болыўы

төмендеги пикирлер бөлимине (+) белгисин қадырың биз сизге байланысамыз

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

27 Oct, 15:21


Дослық ҳаққындағы нақыл-мақаллар:

Жолдасқа дослық – өмириң мәслик,
Жолдасқа доссызлық – кеўил хошсызлық.

Татыў дос болған адамлар,
Жатқа кетпей жарасар.

Достың менен дос болғанға шадлан,
Душпаның менен дос болғаннан сақлан.

Достың кеўлин, дегишпе қалдырады.

Душпанға кеңес берген де ақмақ,
Кеңес алған да ақмақ.

Достыңның душпанынан қанша сақлансаң,
Душпаныңның достынан да сонша сақлан.

Достыңа ет туўрат,
Душпанға қаўын тилдир.

Ашшы болсаң уўдай бол,
Тийген жерин күйдирсин.
Душшы болсаң суўдай бол,
Душпаның келип сүйдирсин.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

24 Oct, 15:11


Дослық ҳаққындағы нақыл-мақаллар:

Тәўир көрген досыңа,
Тәўир көрген малың бер,
Көре-көре сүйсинсин.
Жек көрген досыңа,
Жек көрген малыңды бер,
Көре-көре күйинсин.

Достың атын алма, тайын ал.

Достыңның пышағы менен мүйиз кес,
Душпаныңның пышағы менен кийиз кес.

Достың аўырса күйин,
Душпаның аўырса сүйин.

Достың кеўлине қарап,
Душпанға күлки болма.

Көп сөйлеген я қурдасынан,
Я жолдасынан айрылады.

Қырқ атаның болғанша,
Қырқ досың болсын.

Қәдирлесең қәдириң артар,
Қәдирсизден ҳәмме қашар.

Терек тамырына сүйенер,
Адам досларына сүйенер.

Дузың болмаса да досың болсын.
Отаўың болмаса да қонысың болсын.

Душпан не демейди,
Түске не кирмейди.

Жазалы урының бир бети жара,
Жазалы душпанның еки бети қара.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

23 Oct, 18:00


Дослық ҳаққындағы нақыл-мақаллар:

Досқа дос келеди сырласыўға,
Жаўға жаў келеди мушласыўға.

Асы көптиң тәни семиреди,
Досы көптиң жаны семиреди.

Жан досыңа ат берме,
Ат берсең де «әтсе жүр» деме.

Айрылысатуғын дос аяўлыңды сорайды,
Бермесең бетиңе қарайды.

Жақсы достың пайдасы тийер ҳәр жерде,
Жаман дос қалдырар бәрҳа зәлелге.

Досы көп пенен сөйлес,
Досы жоқ пенен сырлас.

Жақсы дос ашып айтар,
Жаман дос қасып айтар.

Досы көп алтын жыйнайды,
Қасы көп басын жалмайды.
(Қасы – душпаны көп мәнисинде)

Досы көптиң малы көп.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

21 Oct, 18:21


#ҳикмет

Достыңыз бенен сондай қарым қатнаста болың, душпан болғаныңызда сиз ҳаққыңызда сөйлейтуғын жаман сөзлери болмасын.

Душпанларыңыз бенен сондай қарым қатнаста болың, дос болғаныңызда жүзиңиз қызармасын.

Ҳәзирети Румий

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

21 Oct, 16:32


Дослық ҳаққындағы нақыл-мақаллар:

Дос басқа,
Душпан аяққа қарайды.

Қыймасың келсе қыярсаң,
Барыңды алдына үйерсең.

Досың мың болса да аз,
Душпаның бир болса да көп

Ыссыны әдеп өзиңе бас,
Жақса достыңа бас.

Ашыў – араз, ақыл – дос.

Ақылсыз достан,
Ақыллы душпан артық.

Дос – достың айнасы.

Досың дос болсын,
Бирақ есабың дурыс болсын..

Достың гөнеси жақсы,
Кийимниң жаңасы жақсы

Достыңның үйинде тырнақ алма,
Душпанның үйинде шаш алдырма.

Досыма айттым сөзимди,
Душпаным билди сырымды.

Дослықта мәнзил болмас.
Душпанның күлгени,
Сырың билгени.

Дослыққа дослық – қарыз ис,
Душпаныңа әдил бол.

Дос досқа қолын берсе,
Арасынан қыл өтпейди .

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

21 Oct, 02:58


Дослық ҳаққындағы нақыл-мақаллар:

Душпан күлдирип,
Дос жылатып үйретеди.

Достыңнан түйе сора,
Уялғаннан бийе берер.

Жолдасың соқыр болса,
Бир көзиңди қысып жүр.

Дос басқа,
Душпан аяққа қарайды.

Алыстағы душпаннан,
Аңлып жүрген дос жаман.

Жақсы дос, ис түскенде билинер.

Бетиңе айтқанның айыбы жоқ.

Жолға шықсаң,
Жолдасыңды таўып шық,

Халық пенен дос бол,
Атың шығады.

Сырын билмеген адам менен дос болма.

Жаман түс көрсең достыңа жорыт.

Достын алдаған,
Өзин алдайды.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

15 Oct, 17:01


#мотивация

Өмирден қандайда бир кәрамат күтип жасамаң. Ең үлкен кәрәмат бул сизиң өзиңиз! Сиз уникал инсансыз.

@avezovs_page

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

11 Oct, 07:00


Жыл мәўсимлери ҳәм тәбият көринислери ҳаққындағы нақыл мақаллар

Айдың онбеси жарық,
Онбеси қараңғы.

Дүнья шалқар көл,
Заман ескен жел.

Үркер үйден көринсе,
Үш айдан соң жаз болар.

Үркерли айдың бәри қыс,
Саратан сеннен де қорқаман.

Үш ай саўыным,
Үш ай қаўыным,
Үш ай шабағым.
Үш ай қабағым.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

10 Oct, 17:32


Жыл мәўсимлери ҳәм тәбият көринислери ҳаққындағы нақыл мақаллар

Ахырапта урмаса,
Ақыретте де урмайды.

Аямәўиз алты күн,
Алты ай қыстан қатты күн.

Наўырыздан соң қыс болмас,
Мийзаннан соң жаз болмас.

Жаз өтеди, қыс өтеди,
Асықпасаң не питеди?

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

11 Jul, 17:25


Көбинесесе сизиң машқалаларыңыз басқаларды қызықтырмайды. Олар ушын өзиниң машқаласы әҳмийетлирек, қызығырақ. Машқала тек ғана сизде емес ҳәммеде бар.

Көпшилик жағдайларда адамлар өзин медиа да бахытлырақ қылып көрсетеди, исенебериң ол инсанда да кеўилсиз бахытсыз жағдайлар болып турады. Тек ғана ол көринислер сторисларға салынбайды, постларға жайғастырылмайды.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

11 Jul, 17:18


Қызық...

Статистикалық бақлаўларға қарағанда ҳәзирги ўақытта адамлар 6 секундтан телефонына нәзер салмаса өзин қолайсыз сезинеди екен.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

04 Jul, 07:08


Қарақалпақ халық нақылы

Жигиттиң ақмақ туўғаны,
Дәўлетине мәс болғаны.
Жигиттиң артық туўғаны,
Елатына пана болғаны.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

04 Jul, 07:00


Ойлы жигит жақсы билимпаз келер,
Айтқан гәплерине түсимпаз келер.

Ақыллы адам сөз ертпейди изине,
Шөп салмас ярының ҳәргиз изине.

Бердақ Ғарғабай улы

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

04 Jul, 06:59


Жумыс исле туўылған соң ел ушын,
Жаныңды аяма елде ер ушын.

Бердақ Ғарғабай улы

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

18 Jun, 17:42


Сизиң пикириңиз қандай? жазып қалдырың бир ушын қызық!

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

18 Jun, 17:40


Биз өзимизди бахытсыз сезиниўимиздиң себеплериниң бири адамлардан күтиўлеримизди үлкен қылып қойғанымыз. Адамлардан көп нәрсе күтпең әзийзлер бахытлырақ жасайсыз! Олар сизге күткениңизден көбирегин берсе қуўанасыз, күткениңизден азын берсе дым болмағанда қапа болмайсыз.

Пс: Күтиў дегенде руўхый (өз аўара мүнәсәбетлер) ҳәмде материяллық нәрселер нәзерде тутылып еди.

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

17 Jun, 18:40


Үлкен үйге не керек болса,
Кишкене үйге де сол керек.

(Ққ халық нақылы).

@naqillar.

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

22 May, 19:15


Ийилген дарақта мол болар мийўа,
Пейили кең жигитке кең болар дүнья.
Кеўлиң сениң шалқып аққан бир дәря,
Тар әйлесең, сол дәряда суў қалмас.

Ибрайым Юсупов "Муң қалмас" қосығынар үзинди

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

22 May, 19:01


Кеңге кең дүнья, тарға тар дүнья!

@naqillar

"Қарақалпақ нақыл-мақаллары"

16 May, 18:42


Абдуллоҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи. Расулаллоҳ саллалоҳу алайҳи ўәссәллам:
"Бес нәрседен алдын бес нәрсени ғәниймет билиң" деди

1. Қартайыўың алдынан жаслығыңды.
2. Қәсте (кесел) болыўдан алдын саламатлығыңды.
3. Кәмбағаллығың алдынан байлығыңды.
4. Бәнт болыўыңнан алдын бос ўақтыңды.
5. Өлимиңнен алдын өмириңди...

Имам Ҳәким рәўияты.

@naqillar