Mag'zaniyshan.uz @magzaniyshanuz Channel on Telegram

Mag'zaniyshan.uz

@magzaniyshanuz


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!

Mag'zaniyshan.uz (Uzbek)

Mag'zaniyshan.uz Telegram kanali Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы 'Мағзан ийшан' жаме мешитиниң yangi foydalanuvchilari uchun katta ajoyiblikdir. Bu kanalda siz Kegayli tumanining ma'naviyati, madhiyasi, va dunyo musulmonlarining yaratilishi, ma'naviyati, ma'naviy maqsadlar va asosiy hujjatlari haqida eng so'nggi yangiliklarni olishingiz mumkin. Agar sizga ijodiy obrazlar, qiziqarli faktlar, diniy muloqotlar va qiziqarli ma'lumotlar qiziqsa, Mag'zaniyshan.uz kanali - siz uchun eng zo'r sayt! Ushbu kanal orqali qiziqarli o'qish materiallariga ega bo'lib, dunyo yaratilishining sirrlarini kashf etish imkoniyatiga ega bo'lishingiz mumkin. Siz ham Mag'zaniyshan.uz kanaliga obuna bo'ling va ma'nofiyatli ma'lumotlar bilan tanishing!

Mag'zaniyshan.uz

24 Nov, 06:32


Аяқларды жуўып атырғанда “Аллаҳумма саббит қодамайя ьалас-сирот” (Аллаҳым, сирот көпиринде еркин жүриўши қыл) дейиледи.

✈️ @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

24 Nov, 03:23


Тәўекел ҳәм қанаат қылып жағдайына разы болған кисиге дүньяўий нәрселер сорамасынан келеди.

Ҳасан Басрый раҳимаҳуллаҳ

✈️ @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

24 Nov, 03:20


Балаларда 5 қасиет бар, егер булар үлкенлерде болса әўлие болады:
1. Ырысқысы ушын тәшўиш тартпайды.
2. Кесел болса Аллаҳтан басқа ҳеш кимге шағым қылмайды.
3. Жалғыз аўқатланыўды жақтырмайды.
4. Надурыс ис қылса қорқып, жылайды.
5. Жәнжел қылса, гине қымастан дәрреў досласып алады.

Имам Суютий раҳимаҳуллаҳ

✈️ @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

24 Nov, 03:14


بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Ассаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин екшемби 🕊️
22 - Жумадул әўўәл 1446 ж
24 - Ноябрь 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

23 Nov, 14:59


Шайтан көпшилик инсанларға: “Сен солиҳ әмел қылыўды, намаз оқыўды, Қуран үйрениўди, әлбетте, баслайсаң, әлбетте, сен ишиўди шегиўди, жалған сөйлеўди таслайсаң, әлбетте, ислам еки дүнья саадаты, сен ислам көрсеткендей жасаўды баслайсаң, әлбетте оңланасаң…

Тек… Ҳәзир емес, кейин… Мине бул исти питирип, кейин дәрреў баслайсаң. Мине бул машқаланы шешесеңде, кейин биймәлел ибадат намаз бенен бәнт боласаң, кейин… тек ҳәзир емес”…


Сол жағдайда көпшилик инсанлар өлимге жолығады…

✈️ @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

23 Nov, 14:46


Адамлардың көби таң намазына турмайды, тек Аллаҳ таала таңлап алған бенделер ғана турады.

Таңланғанлар ишинде және хаслары бар, олар ярым түнде Аллаҳ тааланың дәргайында турып таҳажжуд оқыйды.
Сиз биринши тайпадансызба ямаса екиншиденбе?

Егер ҳәр еки тайпадан да болмасаңыз, онда ойлап көриң, өзиңизди тергең, не ушын Аллаҳ таала сизди де сол бенделердей ықтияр қылмады?

Жақсылықлардан маҳрумлық гүнаҳлар себебинен болады. Тәўбе болса неьматлар және қайтыўына себепши болады.

Шайх Маьсараўий ҳафизаҳуллаҳ

✈️ @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

23 Nov, 02:55


Егер солиҳ кисилерди жақсы көрсеңиз, билиң, сизде жақсылық бар. Егер солиҳ кисилер сизди жақсы көрсе, билиң, сизде бир сыр бар.

* Сырдан мурат гөззал қәлиб

✈️ @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

23 Nov, 02:49


Ассаламу алайкум!

Аллаҳтың берген неьматлары бизден үзилип қалмасын!
Бәршемизге жаңа күн берекетли, пайызлы ҳәм пайдалы өтсин!
🌹

✈️ @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

23 Nov, 02:47


بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Ассаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин шемби 🕊️
21 - Жумадул әўўәл 1446 ж
23 - Ноябрь 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

22 Nov, 02:20


📌Жума күни усы 9️⃣әмелди бежериўди умытпаң!

Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:
“Ең абзал күнлериңизден бири жума күни”.

1️⃣Ғусыл қылыў
2️⃣Мисўак ислетиў
3️⃣Ҳош ийис себиў
4️⃣Ең жақсы кийимлерди кийиў
5️⃣Мешитке асықпай барыў
6️⃣Адамлар арасынан атлап өтпеў
7️⃣Каҳф сүресин оқыў
8️⃣Көп дуўа қылыў
9️⃣Көп салаўат айтыў

Жума күниңиз мүбәрек болсын!
Аллаҳ таала қылатуғын бәрше дуўа ҳәм ибадатларыңызды қабыл алған болсын!


@MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

22 Nov, 02:18


“Жума күниниң келгенине қуўанатуғын мөминге қыямет күнине шекем ҳәр күни сол дәрежедеги мол саўап бериледи, оның санын тек Аллаҳ ғана биледи”.

➠ @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

22 Nov, 02:18


بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Ассаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин Жума 🕊️
20 - Жумадул әўўәл 1446 ж
22 - Ноябрь 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

21 Nov, 16:51


Жума күнин ол еки салот пенен баслаў ҳайырлы есапланады:

1. Таң намазы.

2. Таң намазын сизге тәлим берген Пайғамбарымызға салаўат айтыў.

Аллаҳумма солли ьала Муҳаммад ўа әлиҳи ўа асҳабиҳи ажмаьин.

Түсиндирме: Араб тилинде намаз да “салот” деп айтылады. Себеби намазда да дуўа мәниси бар. Бирақ “салот” Аллаҳ таала тәрепинен болғанында “дуўа” мәнисин жойтады. Аллаҳ тааланың Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыўының мәниси Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламға Өз раҳматын жибериўи, уллылаўы, дәрежелерин көтериўи ҳәм периштелер алдында оған мақтаўлар айтыўын аңлатады.
Периштелердиң Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыўлары Пайғамбар ҳақларына дуўа қылыўлары, истиғфар айтыўлары мәнисинде болады.
Мөмин-мусылманлардың Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыўлары болса олар тәрепинен болған дуўа ҳәм уллылаў мәнисинде болады.

✈️ @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

21 Nov, 03:32


Аллаҳым, бизлер Сеннен

° Әззиликтен,
° Жалқаўлықтан,
° Қорқақлықтан,
° Сықмарлықтан,
° Ғаррылықтан,
° Мийримсизликтен,
° Ғаплетте қалыўдан,
° Қорлықтан,
° Кәмбағаллықтан,
° Күпирден,
° Ширктен,
° Пасықлықтан,
° Талас-тартыстан,
° Нипақтан,
° Риядан (әмелди басқаларға көрсетиў ушын қылыў),
° Сумъадан (әмелди басқаларға еситтириў ушын қылыў),
° Гереңликтен,
° Гүңликтен,
° Ақмақлықтан,
° Мақаўлықтан,
° Жаман иллетлерден,
° Қарызға батыўдан,
° Адамлардың үстем келиўинен,
° Неъматларыңның таўысылыўынан,
° Күтилмеген апатыңнан,
° Барлық ғәзебиңнен,
° Тез келиўши бәлеңнен,
° Бахытсызлық жетиўинен,
° Қазаның жаманлығынан,
° Душпанның иши қаралығынан ПАНА сораймыз. Әәмийн!

🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲

@MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

21 Nov, 03:21


بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Ассаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин пийшемби 🕊️
19 - Жумадул әўўәл 1446 ж
21 - Ноябрь 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz

Mag'zaniyshan.uz

20 Nov, 12:39


Тәшўишлер мүсәпир болып келип кетебереди. Маңызлысы ҳәр қандай шәраятта да Жибериўшисиниң ҳүрметинен мүсәпирге мүнәсип сабыр қылыў менен болады.

Мәўләнә Румий

✈️ @MagzaniyshanUz