«Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты ескертеди!
Усы жылдың 30-январь күни саат 14:00 ден саат 18:00 ге шекемги аралықта Тахтакөпир районындағы айланба жол бойлап жайласқан Д-273 мм жоқары басым жер асты газ тармақларында авариялық оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы «Ғәрезсизлик» МПЖ Ақ кесек поселкасы, «Айдын жол» МПЖ аймағындағы «Таң нуры», «Нөкис», «Лаўзан», «Ешимбет көл» массиви, «Дәўир» МПЖ аймағындағы «Хожахмет Яссаўий», «Турымбай шығанақ», «Ибн-Сино», «Ахымбет бақсы» көшелери, «А.Адилов», «Мулик» АПЖ ҳәм «Даўытсай» МПЖ аймақларына ўақтынша тәбийий газ жеткерип бериў тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.
Ҳүрметли тутыныўшылар!
Тәбийий газ тәмийнаты қайта тикленгеннен соң кәўипсизлик кағыйдаларына қатаң әмел етиўиңизди соранамыз.
«Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты бөлими
каналға ағза болыў:
https://t.me/Taxtakopir_press