Baxıtlı SARÍBAEV @baxitlisaribaev Channel on Telegram

Baxıtlı SARÍBAEV

@baxitlisaribaev


Саған аз-кем сөз унатсам,
Басқа бахыт сорамайман.
Ибрайым Юсупов

Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы
Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

Baxıtlı SARÍBAEV (Kazakh)

Бағдаршам сіздің аңыздарыңызды ашу, жазу, және серіктестік етуді қалайтын адамдықты дамыту қызығушы екенін білетініз пе? Мұның барлық жауабын бұл каналда тапсаңыз болады. "Baxıtlı SARÍBAEV" атындағы каналда оқиғалар мен тарихты қосымшалар арқылы байланыстықтарды және информация жидектерінің түп-түп топтамасы бар. Әзілдерінің ісінің өсімдіктері мен кейінге деген жолаушылықтарды біліме алатын адамдарға арналған бұл каналды қолдану жақсы көмек. Әдебиетке, ғылымға және мәдениетке қызығу жатқан адамдарды қамсыз қош келдіздер деп айтамыз! Бахытлы Сарыбаевтең дөретілік каналына қосылу керек ше?

Baxıtlı SARÍBAEV

29 Jan, 07:37


Алма берген қолларыңды сағындым
(Қосықтан тәсирленип)

Соншелли сүйкимли, соншелли жумсақ,
Бахытлы демлерди жүриппен аңсап,
Бирге жаққан отқа жылынып жасап,
Алма берген қолларыңды сағындым.

Татлы болар муҳаббаттың жемиси,
Қәдирлейсең жақсы көрип кемисин,
Дүзейикши ығбал менен келисим,
Алма берген қолларыңды сағындым.

Үзгенбедиң сап ышқының бағынан,
Қайтқым келер гөззал жаслық шағыма,
Сырымды баянлап келсем ҳағынан,
Алма берген қолларыңды сағындым!

Қәдир тутып сақлап қойдым алмаңды,
Дийдарың бийлеген кеўил, санамды,
Шын ашықлар ушын ҳижран жамандур,
Алма берген қолларыңды сағындым!

29-январь, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

29 Jan, 06:41


#Әдебий_ушырасыў
#Дөретиўшилик_қуўанышлары

Нөкис районы, 29-санлы мектеп оқыўшылары менен ушырасып, көркем әдебият бойынша жақыннан сәўбетлесип, қосықларымыздан оқып бердик.
Дөретиўшилигимизге болған дыққат-итибары ушын мектеп жәмәәтине миннетдаршылығымызды билдиремиз
Ҳәр бир районда өткерилип атырған руўхый-мәдений илажларда қатнасып атырғанлығымыздан кеўлимиз қуўанышқа бөленеди.

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

29 Jan, 02:42


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

29 Jan, 02:13


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Туўысқандай исенген адамға - мен де туўысқандай болыўым шәрт.
- Бүгин мени бас ўәзир шақырып сырласты. Бас әскербасы екеўи от пенен суў. Ол әстен ғана қулағыма сыбырлап: "Хан бас әскербасыға исенбейди, егер босатылса, орны өзиңдики" - деди. Усыннан маған бахыт қусы қонса, биринши нәўбетте қолтығыма сени аламан. Буларды айтқаныма қарап мени майда гәпли деп түсинбе, бас әскербасыны өзим-әм жек көремен. Бир жола ол, жоқарыдан қысқы көрсем, төмендегилерди қысып ләззетленемен, деди. Не деген надан, не деген ақмақлық!! Ол қарақалпақларды-әм төмендегилер қатарына жатқарады. Сол ушын, набада, бас ўәзир менен ушырасыў имканияты болса, бас әскербасыны жаманлайсаң. Айтар сөзлериң меннен.
"Әстаўпыралла!" - деп таңланды Ерназардың қыялы. - "Қасқыр түлкини, түлки сағалды, сағал түлкини, түлки қасқырды аңлыған заман..."
- Ерназар, неге ойланып қалдың?
- Тапсырмаңызды орынлаўдың аңсатырағын ҳәзир-ақ таппақшы едим.
- Өйдемесең де ойларың түсиникли, Алакөз. Қусты алтын торға салсаң-әм бәри бир тутқын. Саҳрайы елаттың сендей қарыўлы, ақыллы азаматы ушын зиндан-әм зиндан, ҳәзирги нөкерлик-әм зиндан. Илаж қанша? Бизиң өмиримизде ҳеш қандай аңсат жол жоқ.
Ерназардың қыяллары және жүўенсиз кетти: "Ханға хызмет еткенлер бәрҳа үсти көрпешели шуқанақ үстинде жүрип күнелтеди екен. Қыйын! Булардың арасында ақыллы емес, шайтандай сумлықлысы озады. Сол ушын да, илим-ҳикметке, Грушин айтқан пуў менен жүретуғын арбаны пайдаланыўға ҳеш қайсысы қызықпайды... Ҳәссений, мақсетим иске асып, елиме ханлық алсам, басқарсам, бундай тәсилге жол қоймай, илимлиге ерер едим..."
- Сөйле, Ерназар!
- Уллы әскербасым, сизди түсиндим.
Уллы деген сөзди ҳеш қашан еситпей, бирақ бәрҳа әрманы болып жүрген Махмуднияздың кеўли қарар таўып түргелди:
- Жақында Бухараға шабыўыл қыламан, ертең таң азаннан шабыўылдың машқысы.
Ерназар биринши күннен баслап жаман атаққа дус болмайын деген ой менен сергек жатып еди, нөкерлер қәдимгисинше таң намазына айтылған азан даўысы менен өрре-өрре түргелди. Бул жерде дәрет алатуғын қуман ушын урда-тут талас баснар екен, нөкерлердиң шаққанлығын әйне усы пайыт белгилейди. Намазға ким кешиксе оған шара, ең кеминде үш дүрре урылады, қайталанса, табаны тилинип дуз қуйылады, ақыры, дарға асыў менен тамамланады. Сол ушын тәжирийбелилери суў толы қуманды бас ушына қойып жатады. Ерназар таза болғаны ушын ҳеш ким менен қуманға таласпай, далаға шығып келди де, дәрет алған киси қусап, ҳәммениң изирегинен намазға уйыды.
Намаз ада болыўы мәттал, әлле қайдан қоңыраў қағылды. Нөкерлер атханаға жуўырысып, урда-тут атланды да тобы менен күншығысқа қарай шабысып кетти.
Тоғай арасына кирген соң бир ашық майданда тоқтасып, екеў ара, үшеў ара ат жарыстырып шабысты.
Әлле кимниң "ҳалқас!" деген даўысы шығып еди, нөкерлер бир-бирине қарамай патырақласып сол даўыс таманға шабысты.
Тоғай ишине қатара тигилген еки ылашықты айналдыра төселген кийизлердиң үстинде нанға толы дастурханлар жайыўлы екен. Олар асығыс түрде моллам-дөгереклести.
Ҳалқас онша қыстаў болмады. Ким қанша шай ишемен десе ишти, қанша нан жеймен десе жеди. Соннан және түргелип, әўелги ат жарыстырған майданлыққа барып өз ара бирин-бири ат үстинен жулып жығып ойнаў басланды.
Күн дәл тас төбеге көтерилгенде және сол ылашықларға қайтып түсленди.
Түслик песин намазына шекем созылды. Оннан кейин ҳәр жерге шом тиклеп, оларды найзалаў болды. Намазлыгер менен намазшам арасы атларды жуўып, намазшам оқылғаннан кейин ҳәмме қалаға қайтты. Кешки аўқаттан соң көп кешикпей қуптан намазы оқылды да, жатыўға руқсат етилди.
Махмуднияз және Ерназарға келди.
- Машқымыз бүгинги көрген тақлетте тәкирарлана береди. Сен онысыз-әм атта отырыўға, қылыш силтеўге, найза урыўға шебер екенсең. Жақсысы, сен Бухараға шабыўыл ушын жол көрип қайт.
Бухараны көриў - Ерназарға бурыннан әрман еди, аз ғана ойланыў орнына, бирден-ақ келисип, қашан кететуғынын сорады.
- Ҳәзир.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
29. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

28 Jan, 02:18


Тахтакөпир кеңликлеринде

Келгенимде қушақ ашып Тахтакөпир,
Қонағына орын берип ардақлады.
Дым көркейип кеткендей жақты өмир,
Кеўлимдегин жеткериўге йош арнады.

Сәл аяз болыўына қарамай арқа,
Тоңдырмады елдиң меҳир-муҳаббаты.
Жүрегиме жақынласты алыс Тахта,
Умытпайман өмир бойы бул пурсатты.

Таң сәҳәрден жолға шығып Шымбайдан,
Асықтым жетиўге тәрепке сизиң.
Нурлы соқпақларды бақлап бир майдан,
Таўап еттим шайыр Аббаздың изин.

Кеңисликте өмир сүриўши халық,
Кең пейил болары ҳақыйқат екен.
Мақпал минезине тәсийин қалып,
Тил табысып баўыр бастым кем-кемнен.

Сөз еткенде Тахтакөпир туўралы,
Еске түсер Қаратерең, Бөршитаў.
Жери, көли, таўы, бәри унады,
Көплик етпес айтсақ қаншама мақтаў.

Ҳүрметин сезингенде бундай елдиң,
Шадландым келгениме сонша жерден.
Шексиз кеңликлерге талпынып кеўлим,
"Ҳақ буйырса, және келермен!" дермен.


Бахытлы САРЫБАЕВ

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani

Baxıtlı SARÍBAEV

28 Jan, 02:14


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Жас денеге сүйкенсем, бир нәрсе болар. Қәне, түргел, мен Мәўленге кеттим. Ол той сәренжамы болсын!
- Мен я сени, я сол қызды өлтирмесем бар ғой! - деп Улбосынның тисленгени еситилди. Бай оған мәни бермей шығып кетти.
Улбосын ҳеш қашан туўмағаны ушын ба, күтә қатал минезли, қәҳәрли, соған қарамастан ҳақыйқый мийнеткеш ҳаял еди. Шашы ағарып, бетин әжим басып белинен қуўат кеткели, көзлери ләкет, қулағы саңыраў, ғәрип ҳал қыз болса, өзи тил алғыш болса, үстине алдырыў ойында жоқ емес еди. Бул ойын байға да айтқан. Онысы келиспеген жағдайда, есигиндеги еки хызметкери Рузмат пенен Гүлзийбаны қосып, олардан туўылған баланы алып асыраў-әм ойында бар еди. Сол ҳақ кеўли шебекейине айналғанына Улбосынның ишинде қызғаныш оты алысып лаўлады. "Гүлзийба оғыры сулыў, оғыры ақыллы қыз, еле есикке түспей атырып мынаў қылып жүргени, байдың некели ҳаялына айналса, мийин шыргүбелек қылып, мениң сонша жыллар мийнет етип, перзентсиз қартайсам алдымнан шығар деп, тис-тырнақлап жыйнасқан мал-дүньямды аямай шаштырады. Байда ес жоқ, бир күни Гүлзийба "үлкен ҳаялың уйқыма кесент келтиреди" десе көзди ашып жумғанша-ақ мени буралқы ийт қылып үйден қуўып-әм шығады..." Ол соңғы гездеги байдың базы ҳәрекетлерин жақтырмай, "набада, бир жаман күн туўа қалса керек болар" деп бир түйир уў таўып гизнеп қойған еди. Сол есине түсип, сандығын ашты. Бар екен.
"Қайсысына ишкизиў керек?"...
Есикти өлимсиреп ашып Гүлзийба кирди. Енди ол гүллән жаман ойларын тек усы қыздың өзине қарсы қоздырды да мисли қурбақаның жаўырынындай сепкилли жалпақ мурнын гиржийтти:
- Ҳә, жылан! Босағама ийретилип кирип төримди ийелеўге қарадың-ә?
Қыз күтә сабырлылық сақлап, босағада жүресине ғана шөкке түсип отырды.
- Улбосын апа, ашыўланбай мен сорлыны нәсиятла.
- Төримде қалай отырыў ушын ба?
- Яқ.
Улбосынның бөздей жүзи қуўарып, мойын омыртқасы морт сынып кеткендей, оған тесиле қарап, ағаштай қатып қалды.
12.
Ханның бас әскербасысы Ерназарды күтә хош кеўиллик пенен күтип алып, нөкерлик жарақларды өзи асындырды ҳәм басынан аяқларына, аяқларынан басына шекем қайта-қайта көз жуўыртып, жаўырнынан қақты:
- Жарақларың қутлы болсын! Саған бул ҳүрметтиң бәри өз атымнан. Есиңде болсын, ҳүрмет ҳүрмет талап етеди. Мен ханның ең садық адамыман. Бас ўәзир босаса, я өлсе орын меники. Бизде Махмуднияз деген киши әскербасы бар, маған зәңги жарыстырады.
Мен сени әне соның қарамағына беремен ҳәм нөкерликке қосымша бир ўазыйпа жүклеймен. Оңлап урыспасаң-әм Махмудниязға көзқулақ бол, терис пикирлерин маған жеткерип тур. Мәртебеңди асырып Махмуднияздың орнына сени әскербасы қылыў, мениң қолымда.
Нөкерлик кийим менен хан сарайының қасынан кетип баратырған Ерназарды бас ўәзир көрип қалып, бир бармағы менен қасына шақырып алды:
- Алакөз палўан, нөкерлик сендей ийинли жигитлерге қуп жарасар екен. Саған бир жаңалық - түркий ахунға ийшан атағы берилди ҳәм сениң өтинишине бинаан елинде оқыў ислерин басқаратуғын бас ийшан қылып жиберилди. Қуўана бер, биреў болса да бирегейи жиберилди. Қуўана бер, биреў болса да бирегейи жиберилди.
- Үлкен қалаға, хан сарайына үйренген ахун саҳрайы қарақалпақлар арасында жасаўға көнди ме?
- Өзи соранды. Қарақалпақларға ғамхорлық керек деп соранды.
Бас ўәзир көп сөйлесип турыўға ўақты қыстаўлығын ескертип, оның нөкерлик қылышына кескирлик тиледи де, кетти.
Махмуднияз өзи қатарлы болғаны менен, тобы ирилеўден келген шымыры, айбатлы, түси суўықлаў әскербасы еди. Ерназарды онша ықласлы қабыл етпесе де, басқалардан ҳүрметлирек жатақ орын көрсетти.
- Мине, Алакөз, саған туўдырылған шараят ҳеш кимде жоқ, - деп ол жән-жағына қаранып, шапанының жағасын дүзестирди ҳәм өзине тән болмаған дәрежеде даўысын пәсейтиңкиреди. - Буған себеп: бириншиден, сени тәнҳа хан биледи, екиншиден мениң оң көзим сенде... үшиншиден, сенде пайғамбарлық бар қусайды, жақында хан тутқындағы барлық орысларды босатты. Яқшы, бул жөнинде соң сөйлесермиз. Мен сени ханға, бас әскербасыға ҳеш қашан жаманламайман. Саған туўысқандай исенип, ханға мәлим нөкерлигиңнен пайдаланғым келеди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
28. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

27 Jan, 15:00


Сый-ҳүрмет илҳам бағышлап, еле де жақсырақ дөретиўшилик етиўге ийтермелейди.

Baxıtlı SARÍBAEV

26 Jan, 08:05


Тахтакөпир кеңликлеринде

Келгенимде қушақ ашып Тахтакөпир,
Қонағына орын берип ардақлады.
Дым көркейип кеткендей жақты өмир,
Кеўлимдегин жеткериўге йош арнады.

Аяз болыўына қарамай арқа,
Тоңдырмады елдиң меҳир-муҳаббаты.
Жүрегиме жақынласты алыс Тахта,
Умытпайман өмир бойы бул пурсатты.

Таң сәҳәрден жолға шығып Шымбайдан,
Асықтым жетиўге тәрепке сизиң.
Нурлы соқпақларды бақлап бир майдан,
Таўап еттим шайыр Аббаздың изин.

Кеңисликте өмир сүриўши халық,
Кең пейил болары ҳақыйқат екен.
Мақпал минезине тәсийин қалып,
Тил табысып баўыр бастым кем-кемнен.

Сөз еткенде Тахтакөпир туўралы,
Еске түсер Қаратерең, Бөршитаў.
Жери, көли, таўы, бәри унады,
Көплик етпес айтсақ қаншама мақтаў.

Ҳүрметин сезингенде бундай елдиң,
Шадландым келгениме сонша жерден.
Шексиз кеңликлерге талпынып кеўлим,
"Ҳақ буйырса, және келермен!" дермен.

26-январь, 2025
Бахытлы САРЫБАЕВ
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

26 Jan, 04:07


#Әдебий_ушырасыў
#Дөретиўшилик_ығбалы

Тақыятас районы, 8-санлы мектепте мийманда болып, көркем әдебий шығармалардың инсанды кәмилликке бағдарлаўдағы әҳмийети бойынша оқыўшы жаслар менен сәўбетлесип, қосықларымыздан көркемлеп оқып бердик.
Ушырасыў кешесиниң ғалаба хабар қуралларының қатнасында өткерилиўи оқыўшылар кеўлине қуўаныш бағышлап, өмиринде өшпес из қалдырды деп ойлаймыз.
Дөретиўшилигимизге болған дыққат-итибары, сый-ҳүрмети ушын мектеп жәмәәтине шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

26 Jan, 02:19


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Үйге Сержанбай келгишлеп жүр еди, дәмеси зор, бизлерди Гүлзийба менен Теңелдиң ата-анасы орнына санап бас ийежақ.
- Түлки бай хан алдында маған сеңсең тонын бийкарға жаппаған екен-дә! Кеше ол емес, мениң оннан кеширим сораўым тийис ис болып еди. Астаўпыралла! Кимге әпережақ?
- Бийперзент ғой...
Ерназардың ойы бай ҳақ пейиллик етип Гүлзийбаны хызметкери Рузмат пенен қосып, еки жетимди шаңырақ қылатуғын шығар деген еди, не дерин билмей иши дузлы шеребе қуйғандай ашыды.
"Өзим аламан" деўге де тили айнала жазлады. Көзлери уясынан атлығыўға да сәл қалды.
- Қыз бенен сөйлесип көрдиң бе? - деди ойын анасының сезип қойыўынан қорқып.
- Сөйлестим. Сен не десең, сол болады.
Ерназардың өңи өзгерип, он еки мүшесине шеңгел шаншылғандай болып мийи гүўледи: "Бийшара қыз сонша сүйеди-ә? Не ушын екен-ә? Мениң атыма, даңқыма қызыға ма екен?..."
- Балам, қыялыңды оқып турған секиллимен. Өшер алдынан ҳәр қандай шыра жақтырақ көрине баслайды.
Бул нақылды екинши рет еситкенине ме ямаса қызды анасының кемситкенине ме, Ерназардың жүрегин от тесип өткендей және қас-қабағы жабылды. Ашыў менен нырққа сыймайтуғын сөз айтып салмаў ушын астынғы ернин қатты қымды.
- Ерназаржан, - деди ана және оның бийҳуўда ойларға шүмиўине пурса қалдырғысы келмей. - Жетим қыздың бахты ашылыўы керек ғой.
Ана қандай бахытты нәзерде тутып отырғанына Ерназар ой жибермеди.
- Сержанбай бахытлы қыла ала ма?
- Байға қосылса, жетимниң қолы узарды, сол да бахыт бул заманда.
Ерназардың жуўап бериўи аңсат болмады. Өзиниң некели ҳаялын басқа биреў ерксиз әкетип баратырғандай, он еки мүшеси қақсап гүллән тамырларына от тийди. Маңлайы шып-шып терлеп, ишинен жылады, қәйткен менен анасына қарсы келе алмай, өзин-өзи зорлап зорға тили гүрмелди:
- Оған Сержанбай бахыт беретуғынына анық көзиң жетсе, ықтыярың.
- Ҳә, енеме де қарсы кележақ па едиң? - деди Рабийби.
Ана қайтып сөйлемеди.
Ерназар бираз ашыўлы ғужыр менен тезирек ат ертлеўге түргелди.
11.
Жаслықтың бир өзгешелиги ҳәмме нәрсеге жеткенше асығады: балалар тезирек мурт шығыўын күсейди, қызлар барлық көзлердиң тезирек нышанасы болыўын әрман етеди. Жаслықтың және бир белгиси - кишкентай-ақ ўақыя оны қуўантатуғыны соншелли, дүньяның барлық гөззаллығы оған инам етилип, енди ол оннан ҳеш қашан айрылмайтуғындай, ал кишкентай-ақ бир қайғылы ҳәдийсеге дус болса мәңгиге басынан ҳәсирет айрылмайтуғындай.
Гүлзийба Ерназар менен биринши дусласқанынан кейинги айралықтан соң қайтып көриспейтуғын сыяқлы еди, суўат жанында ушырасыўдан кейин дүньяның барлық гөззаллығына ийе болып, адамзат қандай ләззетти күсесе, ол бәрин алғандай, жүдә қуўанышлы қайтты. Киятырып арбаға сүйенип турған Рузматтың қулағын шертип өтип кетти. Рузмат Гүлзийбалар көшип келгели биротала өзгерип, үпилдирик муртлары тез өседи дегенге күнде майлап, қызды сыртынан унатса да, ҳештеңе айта алмай, көрген жерде төмен қарап кете беретуғын еди. Усыннан кейин оның күткен әрманы тап ҳәзир ғана иске асып қалғандай қуўанып ярым ақшамға дейин тынбай далада ағаш майдалады.
Гүлзийба оны қандай ҳалға түсирип кеткенинен бийхабар ылашығына кире сала үкеси Теңелди қушақлап, ойнаў менен кешки аўқатты писириўди умытып, аўыр жатар болған гезде қара суўға нан басып жеп жатты. Азанда, ҳәр қашанғысынша, қораздың биринши даўысы менен түргелди. Бай үйиниң айналасын тил менен жалағандай қылып сыпырып, байдың ҳаялы түргелип шай ишемен дегенше, барлық сыйырларды саўып болды.
Сәскеде ылашықтағы нәҳән қазанға, ҳәмме ыдысларға уйытылған қатықларды қуйып, майын алыў ушын атлаўға жаңа отырғанында, түриўли есиктен Сержанбайды көрип қалды. Ол күтә жақсы кийинип, туўры Ерназардикине баратыр.
Гүлзийбаның жүреги суў ете қалды: "Сорым қайнамаса болғаны ғой. Кеше неге өзине барлық кеўлимди ашып айтпадым? Әй, доңыз гүркесине айналған кеўлим, сен мени қайда жетелейсең? Ерназардай ақыллы адам бар ма? Мен байғустың нелерди мақсет етип, не ушын анасын өзиме ойласыққа жибергенимди түсинеди... Ой, сорым! - деди бирден. - Мендейлердиң бахтын ашпай жүрген гилең ақыллылар емес пе? Руқсат берсе не қыламан?..."
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
26. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

25 Jan, 13:50


"Китап - билим ҳәм руўхый раўажланыўға ерисиўдиң ең тийкарғы дереги"

-

"Китоб - билим ва маънавий юксалишга эришишнинг энг асосий манбасидир"

Тақыятас районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
💬Telegram | 🌐Facebook | 🌐Instagram | 🌐Youtube| 🌐Veb-sayt

Baxıtlı SARÍBAEV

25 Jan, 12:14


18 бәҳәрим өтти қайларда

Қосықты оқыған: Ақсингул Қошмуратова

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

25 Jan, 02:03


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Анам өз анам ғой, "кешир апа, Гүлзийбаны Рабийбиниң үстине ала қояйын" десем, кеширмеспекен?..."
Гүлзийба көзден ғайып болыўдан баласының желкесинен әстен ийтерип ылашыққа киргизе сала суўатқа қарсы тәрепке қарай тез-тез адымлап кетти де, былайрақ шығып жыңғыллық арасы менен буққышлап суўатқа қарай айналды.
Гүлзийба тынық суўға қарап тулымын таранып отыр еди. Аяқларын ғаз-ғаз басып урыдай ентигип киятырған Ерназардың дем алысынан-ақ танып, әстен ыраш басына көтерилип, жән-жақты бир серледи де, аш қасқырды аңғармаған аңқаў қозыдай оның алдына қарай жүрип, қәндекке түсти. Ҳәзирден басқа қолайлы пайыт ҳеш қашан табылмайтуғындай, тилге де келмей тула бедени босасып, таза саўылған сүттей жүзи ҳәр муқамға дөнип, еринлери түнги шоқтай қызарып, Ерназардың кең қушағына шүмди де, оның ыссы демине буўлықты ҳәм ол қалай тартса солай бурылатуғын сүйексиз, ҳуўышсыз бир денеге айналды.
* * *
Қумар ана кеше ғана бир уўытын таўып Сержанбайдың тилеклерин Гүлзийбаға қулақ қағыс қылғанында, ол мүләйимлилик пенен сөйлесип, анаға мақул түскен нәрсе оған мақул екенин айтып, "бирақ, бир өтинишим усы исти улыңыз Ерназарға билдирсеңиз, ол не десе мен соған қайылман" деген еди. Ана сол ўақытта "қандай бахытлыман, бәршелер Ерназаржанымның кеңесине мүтәж" деген ойда қалған еди, мине олардың ҳәзирги сөйлесиклери пүткил басқаша. Ҳәтте, орамал алысқан. Жылдам алды алынбаса, изи насырға шабыўы мүмкин.
Ол далаға шыққанда Ерназардың қарасы шөккен еди, иши-баўыры от болып, оның тезирек қайтып келиўин күтерин я изинен кетерин билмей тур еди. Атлы келип қалған Сержанбайды көрип, оның кийимлериниң суў екенлигин аңғармай:
- Асықпаса, - деди жүдә жуўаслық пенен. - Еле шешилмей атыр.
- Асықпайман, Қумар, мен тек Ерназаржаннан кеширим сораўға киятыр едим.
- Неге?
- Қәдимги суў таласы-дә!
- Ерназар жоқ еди.
- Олай болса, мениң келип кеткенимди айтарсаң.
* * *
Гүлзийбаның суўға әкеткен қабағын көтерип Ерназар геўгимлете келди де, ҳеш ким көрмегенинен пайдаланып, қабақты есиктен сыртта қалдырып ҳаялына сөйлене ишкериледи.
- Ҳаў, мынаў қабақ неге далада тур, мал-пал сындырып кетпей ме?
Ерназар ҳеш қандай үй дәскелерине араласпайтуғын еди. Ана оның сумлығын Рабийбиниң түсинип қойыўынан қорқып, далаға шықты да, қабақты ишке киргизди.
- Бийшара қыз Улбосыннан қорқып асыққан ғой. - Ол төрде мардыйып жамбаслап атырған улына көз қыйығын таслады. - Ерназаржан, Сержан бай келип кетти.
- Не дейди?
- Ерназаржаннан кеширим сорайжақ едим деди, болғаны.
Ерназар муртынан күлди де қойды.
- Ерназаржан, бүгин кейпиятларың қалай?
- Күтә сергекпен, апа.
- Сезип турыппан. Ойланып-ойланып Хийўаға тезирек кеткениңди мақул таптым. Егинди келин екеўимиз ектик, енди өзлеримиз тәрбиялаймыз. Ханның мирәтине қанша тез барсаң, сонша исенимин аласаң. Бир кеңесим бар, улым. Кисиниң қолын байламастан бурын өзиңниң ҳәм дос-яранларыңның қолларын ойла.
Ерназар анасының бир нәрседен сезикленгенин уқты да қыялы және шубатылып түни менен әлўан-әлўан дөнди, көбинесе Гүлзийба жөнинде ойлады. Оның суў бойында айрылысар гезде сыңсып: "Ерназар, мәңгилик қулың болайын, мени таслап кетпесе" - деп жалбарынғаны есинен шығар емес.
Анасының "Кисиниң қолын байламастан бурын..." деп баслаған нәсияты қайта есине түсти. "Мениң Гүлзийбаға болған нийетлеримде бул даналықтың не қатнасы бар? Ҳаа, бәлким мениң ең баслы ислериме пусыры бар шығар. Анам бәрин сезеди, биледи. Гүлзийбаны көп телезитпей умытқаным жөн болар".
Ол усы тоқтамына қарама-қарсы және бир қыялдың келип қалыўынан қорқып, қайтып ойланбаўға тырысты да, қапталында жатырған ҳаялының дастықтан асырылып түсип атырған узын бурымларын жыйнап, көкирегине таслады ҳәм үлкен алақаны менен оның жуқа жүзинен нәзик ғана сыйпалап оятты.
- Түргел, Рабийби, таң атты.
Ҳалқас пайытында улын дизесине мингизип отырып:
- Апа, - деди жүзи жадырап. - Түни менен ойландым. Ханға нөкерликке бүгин-ақ кеткеним дурыс сыяқлы.
- Жолың болсын, бирақ кишилеў бир кеңесиң керек еди, - деп апа улының аўзы ашылып қалғанын көрип даўам етти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
25. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

24 Jan, 02:20


#Әдебий_ушырасыў
#Дөретиўшилик_қуўанышлары

Тахтакөпир районы, 6-санлы мектепте мийманда болып, көркем әдебияттың өмирде, жәмийетлик қарым-қатнасықларда тутқан орны бойынша оқыўшы жаслар менен жақыннан пикир алысып, қосықларымыздан оқып бердик.
Шын кеўилден сәўбетлесиўлер, көркем оқыў ҳәм сахналық көринислер менен ушырасыў кешеси мазмунлы болып өтти.
Дөретиўшилигимизге болған сый-ҳүрмети ушын мектеп жәмәәтине миннетдаршылығымызды билдиремиз.

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

19 Jan, 02:19


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Уллы ханымыз, - деди Ерназар ойланып турмастан. - Грушинге Қаратаўды изертлеўге руқсат етип, қол астыңызда үлкен илимге жол ашқан екенсиз, лекин...
Ерназардың қас-қабағынан көз алмай, ҳәр бир ҳәрекетин бақлап атырған түркий ахун от басын есиктеги ийттен қызғанған пышықтай еңсесин гүжирейтти:
- Уллы ханымыз, тышқан күтә киши мақлуқ, аммо өзи зорға сыятуғын инине сипсе сүйреп апарады. Киши мақлуқлардың пешеси киши халықларға ҳәм тән. Уллы ханымыз, қымбатлы ўақтыңызды алсам үзир.
- Еркин сөйлеңиз.
- Орысларда Петр I деген атақлы патша өткен. Ол патшалықтың сорамын кеңейтиўди баслы шәрт деп, бул ушын ең аңсаты, келешекте патшалықтың ғәзийнесин толтыратуғын елатлар қатарында Азияны есаплаған. Қырғыз-қайсақ ордасы, Хийўа ханлығы барлық Азия еллериниң дәрўазасы деп кеткен. Сол дәрўазаның гилти бизде болыўы шәрт, сонда барлық Азия еллери қол астымызға өтеди деген. Орыслардың соңғы патшалары ушын сол Петр I ниң нәсияты алтын ҳаса болып қалды. Алтын ҳаса атадан балаға аўысатуғынын уллы ханымызға ескертиўге әззилик қыламан. Алдыңызда турған Алакөз пайыттан пайдаланып, шалғай жаппақшы болған орыс Грушин сол Петр I айтқан дәрўазаның гилти ушын жол излеп шыққан жансыз десем гүналы емеспен. Оренбург генерал-губернаторының шабыўылы бул болжаўыма гүўалық береди. Грушин зинданға салынбағанда, жазыў-сызыўлары отқа жағылмағанда орыс ләшкери жол таўып Хийўаға басып кирер-әм еди.
Хан Грушинди азат қылыўға асығып буйрық бергенин енди мойынлап, ишинен қатты қынжылып, тисиниң суўын сорыса да, ханларға тән өрлиги тутып оған ырқ бермеди. Ерназарға ийек көтерди.
- Қәне, Алакөз, кәраматлы Хорезмниң даңқы ушын сыр бүкпе, сол орыста бизге пайдалы және не сездиң?
- Грушин наятый ойшыл алым. Зинданда иси еригип жатып, келешекте тастан салынатуғын Хийўаның жойбарын сызды. Мен ғой орыслардың Петербургин көрмедим, бирақ ол "Әмиў бойына салынатуғын бул қалаға Қаратаўдың тасы пайдаланылса, Петербургтай дүньяға машҳур болады" деди. Оның және бир айрықша пайласы, ҳәзир орыслар суўдың, пуўдың күши менен атсыз жүретуғын арба соққан. Егер Грушинге муражат қылып, қасына адам қосып қайтарсаңыз сол илимниң сырын үйретеди.
Ахун күлип жиберди. Ханның бирден қәҳәрли бурылғанынан айбынып, көзлерин қолы менен басты да, назлы келиншеклердиң жолына салып жорта мырс-мырс етти.
- Уллы ханымыз, әдепсизлик етип күлгенимди кешириңиз. Аммо, мениңше, тилсимди үйренгенлерден үйрениў, биреўдиң өзине боларлық салмасынан салма тартқан менен барабар.
- Ахун, тийкарғы саға инглислерде демекши шығарсыз, лекин бүгинги тәлабалар ертеңги ахунлар. Уллы ханымыз, бүйтип қуяшты булт астына қойып тартысқанша, өзин алдыңызға шақыртсаңыз исенер едиңиз.
Ханның улы атасының бетине қарап турып, Грушинди ҳәзир шақыртыўын өтинди. Хан оны қуўатлап ҳәмир етти:
- Әкелинсин!
Бас ўәзир еки қолын көзиниң алдына жайып, хан алдында дизерледи.
- Уллы Хорезмниң ийеси, жаман хабарым ушын әпиў етиңиз. Ийтти қалай жуўсаң да батпаққа батып келеди. Мынаў алдыңыздағы Алакөз нағыз ийт екен. Орысты көп мақтаў менен өзин ақлаўға талапланғанын алғыр зейниңиз илген шығар. Бул найсап палўанлыққа шығатуғын күни сол орыс пенен тамаққа таласып, оны өлтирипти.
Ерназардың көзлери уясынан атыла жазлап бақырды:
- Грушин өлтирилиўи мүмкин емес. Өлмесин!
Ханның аң-таң болғанын көрип ахун қызды:
- Эй, пәдериңе нәлет, Уллы Хорезмниң бас ўәзирин жалахор деў менен уллы ханымызға бәле-мәтер аўдарып турғаныңызды түсинбейди дейсиз бе?
- Жо-ооқ. Грушин өлтирилиўи тийис емес! Ол алым!
- Өлтирмеген болсаң, қуры сыртынан мақтай бергенше бирден-ақ өзин сөйлетиң демейсең бе? - деди ханның улы.
Қандай жағдайда да ханның ҳәрекетинен, бет-әлпетинен көз алмайтуғын ахун, оның бетлери жыбырласып, қыйын аўҳалда турғанына қарап, жақпас ҳүким етиўиниң алдын алыў ушын дәрриў дизерледи де, қос алақанын маңлайына басып жыламсырады:
- Уллы ханымыз, ханзада дурыс айтты, шеңгел басқылап қашқан киси я уры, я адам өлтирген болады. Алакөздиң тикенли орысты мамыққа айналдырып мақтаўы да сондай, өзиниң гүнакарлығын дәлиллейди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

18 Jan, 02:25


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

18 Jan, 02:16


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Сизге болған жақсы көзқарасым өзгерместен бурын айтыңыз, меннен қандай тилегиңиз бар?
Бас ўәзир менен түркий ахунның мәсләҳәти бойынша хан Ерназардың келешекте нелерди иске асырыўды мақсет ететуғынын билиў ушын сорағанына ол ой жуўыртпай, қәдимгисинше еркин сөйледи.
- Уллы ханымыз, мениң үш тилегим бар, бириншиси - халқыма салықты азайтып бостанлық берсеңиз, екиншиси - өз алдына ханлық болыўына пәрман етсеңиз, үшиншиси - Хийўа медресесинде қарақалпақтан көп бала оқытсаңыз ямаса елге илим-ҳикмет тарататуғын медресе ашып берсеңиз.
Ханның ийинлери селкилдеп күлди.
- Алакөз, парықсыз жесең пал да зәҳәрге айланатуғынын билмейсең бе?
Ханның қандай тереңге қармақ таслағанын түсинбей, улы гәп қосты.
- Алакөз, гүлшедей мәкан жайыңыз, бир қосыўыс халқыңыз бар. Өз алдына ханлықтың не зәрүрлиги туўады? Сизге бийлик ҳамалы-әм миясар емес.
Түркий ахун масайрады. Хан биресе ахунның, биресе улының бетине сүзилип, екеўин де мақуллаған ишарат пенен бос ийзеди де:
- Алакөз палўан, ашығын айтыў керек, - деп оған мойын бурды. - Ҳаққа заўал жоқ. Аңғарасыз ба, орыс патшасы қазақтың Киши жүзинде ханлықты неге жоқ қылды? Ҳәзир Бөкей ханлығында неге саўашлар баратыр? Булардың бәри бир патшадан басқа киши ханлықларды болдырмаўдың шарасы. Орынбордың генерал-губернаторы бизди жаўлап алғысы келгенде, бир таўда бир төбе болыўды мақсет еткени күндизги қуяштай аян. Мейли, тарийхқа көз таслайық. Темирлан бул әлемде тек Самарқанд шамшырақ болып қалыўы ушын аяғы жеткен жериндеги қалаларды не ушын жер менен жексен қылды? Шын ақыл болсаңыз парқына жетерсиз, майда-майда көп жулдыздан бир қуяш артық. Талапланбаңыз.
- Сиздей ҳақ нийетли, ҳаққаный уллы ханды әлем билмеген, - деп ахун ханға қол қаўсырып ийилди. - Алакөздиң мүддәҳәсине кисиниң күлкиси қыстайды. Қарақалпаққа ханлық сорағаны - атты тағалатып атырғанын көрген қурбақаның "мени де тағала" деп табанын тутқанындай бир гәп-тә.
Хан менен улының езиўинде кеўилли мыйық тартыўды байқап, бас ўәзир мырс-мырс күлди. Ахун оннан сайын мардыйып, Алакөзге үстемлилик пенен көзлерин күле шырайландыра сөйледи:
- Кишкене балаларға тән бир қәсийет, өз бойын бәрҳа пәс санап, аяғының ушынан жүргенди, сөйтип күтә алысқа нәзер таслағанды жақсы көреди. Оларға үлкенлер барлық нәрсени көрип, айтпай турғандай. Мине, усы әдет Алакөзге де тән қусайды. Оның қыялына орыс патшалығында адам билмес қызық болып атырғандай. Ҳаслында, ондай қызық жоқ.
Есиктеги жәллад ханға қол қаўсырып, Гераттағы инглислерден жәрдем сораўға жиберилген мәҳремниң келгенин хабарлады.
- Кирсин!
Пияздай ақ сәллеси өзине қуп жарасып, көк жапырақ гүлли шапан кийген, шоқ қара сақаллы, бой-сыны да сулыў мәҳрем босағаға маңлай тийгизди.
- Уллы ханымыз, қуўантқандай хабар әкеле алмағаным ушын бир қасық қанымды кешиңиз. Инглислер жәрдем бере алмады...
- Неге?
- Шамалаўымша, олар орыс ләшкерлериниң күшинен қорқады, - деди мәҳрем басын көтермей. - Абырайлырақ бир әскербасысының "Шөлистандағы кишкене Хийўа ханлығы ушын жылан орыслардың қордасына өзимизди урмайық" дегенин еситтим.
- Бар, дем ал!
Мәҳрем арты менен бәсип кетти.
Бас ўәзир оған ере далаға шықты.
Өзин қораз тутып отырған ахун қәпелимде қурық басқан мәкийенге айналды. Хан оның не ушын бундай ҳалатқа түскенин сезди, себеби, Гераттағы инглислерден жәрдем сораўды мәсләҳәт еткен сол еди. Өзи буққан адамның еңсесине және тас салмайық деди ме, оны елестирмегенсип, хан Ерназарға омыраўы менен бурылды.
- Алакөз палўан, енди сиз бий болыўдан алдын Хорезм ушын нөкер боламан деп тилек билдирерсиз, - деп хан Ерназардың жүзинде қорқыныш пенен қуўаныштың алмагезек орын аўмастырғанын сезип жуўасыды. - Ойланыңыз. Анаңызды көрмегениңизге көп ўақыт болды, барып қайтыңыз, анаңыз бенен мәсләҳәтлесиңиз. Билемен, сиз бир сөзлисиз. Ҳәзир ўәде берсеңиз, үйиңизге тез қайтасыз.
- Мен бәрҳама өзимди Хорезмниң бир нөкеримен деп санайман.
Бас ўәзир есиктен сүңгип кире сала, Ерназардың не дегенине қарамай, ханға ийилди:
- Уллы ханымыз, енди Алакөз палўан шынын айтсын, ол не ушын ханлықтың душпаны орыс Грушинге бостанлық сорады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
18. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

17 Jan, 11:40


Қар жаўғанда

Таңда жолға шықтым. Жаўар аппақ қар,
Қәўетер аламан: Табылғай көлик.
Қыстың жарасықлы гөззаллығы бар,
Сүйсинип гүзеттим ўақтымды бөлип.

Киятырман аппақ қарда шар бузып,
Жақсылық жолында қалар излерим.
Бақлап ҳәдийсесин пасылдың қызық,
Керекли турмыслық мәни изледим.

Қунарлық бағышлап Ана жериме,
Ядта қалар қары менен гүмис қыс.
Орнынан көклемде гүллер терилген,
Шексиз ырза болып айтармыз алғыс.

Жаратқанның көктен усынған сыйын,
Қабыллайды қушақ ашып далалар,
Жүреги шәўкилдеп ойнап қар ойын,
Қар жаўғанда маўқын басар балалар.

Қар ырыс-несийбе, шадлық сағасы,
Қәдирлеймиз гүмис қыстың зийнетин.
Ҳәм саналар шайырлардың музасы,
Жырланады қардай аппақ нийетим.

"Сени шақырғанда жаўды аппақ қар,
Қәдемлериң қутлы келипти, демек",
Деп достым шадланып мени ардақлар,
Қар нурли өмирден берип тур дәрек.

17-январь, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

17 Jan, 01:59


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

17 Jan, 01:52


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ертеклерде көз ушындағы жақтыға бараман дегенлер тисин қайрап отырған жалмаўыз кемпирге тап бола береди.
- Алакөз, басыңызға қонған мәртебеден надурыс пайдаландыңыз, - деди ахун жүдә парасатлы кейипте. Оның бет-әпшеринен Ерназар менен бурын мәлеллескениниң ушқынын-әм табыў мүмкин емес. Керисинше, қайырқомлық көринип турыпты. - Қараңғыда қалсаң да қоңсы-қобалар менен, ағайин-туўғанлар менен болыўдан артық нәрсе бар ма? Жоқ! Қоңсыны геўлемеў кереклигин, орыс тутымы бәрше мусылманлар ушын қыс екенин меннен-әм жақсы түсинесиз. Анаңыз түсинеди.
- Қыстың изинен бәрҳа бәҳәр келеди, - деди Ерназар.
Датханаға келгеннен кейин олар Ерназардың күтип отырыўын ескертсе де, көп есиклердиң биреўине сүңгип кеткенинен қайтып көринбеди. Ерназар сол отырыстан аўыр жатарға шекем күтти, ҳеш ким хабарын алмады. Ақыры, шыдамай кетиўге ыңғайланып тикейе бергени, әлле қайсы тесиктен:
- Алакөз, күтиңиз, хан келеди, - деди бир даўыс.
Ерназар қайта отырды.
Әлленемирде уйқы қыстап басын дийўалға тиреп буйығып еди, және таныс даўыс еситилди.
- Уйқыламаңыз, ханның қәҳәрин келтиресиз.
Ол қәддин тиклеп және күтти.
Сирә келер хан жоқ. Сәл буйығыўға қараса болды, сол даўыс хан аты менен және оятады. Әләмә-жуўалық пенен таң атырды. Хан дәргаҳына уллы сәскеде шақыртылды.
Тахттағы хан онша қатал көринбеди, бирақ қасында қуўыршақтай болып кийинип отырған он алты - он жети жасар улының түси күтә суўық еди. Ерназар оның көзқарасынан қәўиплениңкиреп, хан тахтынан пәстеги сыпада қос ағаштай қатып тикейип турған бас ўәзир менен ахунға онша қарамастан ханға ҳәм улына қол қайсырды.
- Ҳа, Алакөз палўан, кейпиятлар қалай? Шаршамадың ба?
Ханның даўысынан кеўиллилик пенен меҳир сезип, Ерназар және ийилди.
- Қәне, Алакөз шыныңды айт, - деди хан жадыраған түс пенен. - Сен не ушын аўылыңның молласын азапладың? Мусылманлыққа қайшы келип, не ушын намаздың көп сөзлерин қарақалпақшалаўға мәжбүрледиң? Ҳақыйқатлыққа заўал жоқ, бул исиңди гүдибузардың иси деп есаплайсаң ба?
Қабыл етиўди кешеден бери кешиктириўиниң себеби, бас ўәзир менен ахуннан екени, олардың ханды қайта үгитлеп питкенин түсинди.
- Ханымыз, мениң менен сөйлесиўди мүнәсип көргениңиз ушын уллылығыңыз алдында миннетдарман, - деп Ерназар қос қолын көксине қойып және бас ийди. - Ҳәр кимге өз уясы шеңгелден болса-әм мамық. Мәселен, сиз ушын өзбек тили, мынаў ахун ушын түркий тили, мениң достым Грушин ушын орыс тили қандай болса, қарақалпақ тили маған да сондай. Ҳеш кимге сыр емес, бир ҳақыйқатлық бар. Игрий биреў өзбек тилинде сөйлесе, сиз қуўанасыз, түркий тилде сөйлесе ахун қуўанады, орыс тилинде сөйлесе Грушин қуўанады. Араблар намаз бенен өз тилин әкелгенде де әне усыны мақсет еткен болса керек, деп ойлайман. Сонда мен неге өз тилимде сөйлеўге ерксизбен? Оның үстине, намаз оқып атырып не айтып атырғаныма өзим-әм түсинбеймен. Сол ушын намаздың басламасын "жүзим қублаға, қуллығым қудаға" деп қарақалпақшалаттым. Мәниси түсиникли болса ҳәмме намазға умтылады деп ойлайман. Тәлебалардың Наўайы менен Физулийге көп қызығатуғынының да себеби бизге түсиниксиз араб я парсы тилинде жазбағаны ушын шығар деп ойлайман.
- Наданлық! - деди ахун сәл қызып. - Сиз еле мусылманлықтың шәртлерин-әм билмейсиз!
- Сиз мусылманлықтың бес шәртин айтып турсыз ба? - деди Ерназар салмақлылығын бузбай. - Тыңлаңыз. Бириншиси сүннет, екиншиси ораза тутыў, үшиншиси бес ўақлы намаз оқыў, төртиншиси малдан-бастан закат бериў, бесиншиси қүдиретиң келсе Меккеге барып келиў. Бирақ, алтыншы шәрти барлығын сиз билмейсиз.
- Алтыншысы жоқ! Кәпир болдың, надан!
- Алтыншысы, адамның адамға ҳүрмети! - деди Ерназар әўелги кейпинен өзгерместен.
Олардың тартысына еркинлик берип отырған хан жүдә парасат пенен қыймылдап гәпке араласты.
- Алакөз палўан, өжетлик, тәкаббирлик инсанның ҳәм өзине, ҳәм халқына, ҳәм әўладына зыян. Билесиз, кегей терек жүдә тәкәббир ағаш. Мийўе орнына бүртик салады, ишин ашсаң шыбын-ширкей шығады. Адам баласының мийўеси оның сөзи, иси. Уғыңыз, Қаратаўдың мың дана тасынан, Хийўаның бир дана жүзими абзалырақ.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
17. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

16 Jan, 02:16


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Сержанбайдың артынан жүдә пәкизе кийинген Теңел көринди, ол жуўырып келе сала қалтасынан аққа қызыл жипектен нағыс ойылған орамал шығарып усынды.
- Ерназар аға, әжапам берип жиберди.
- Рахмет, - деди де, Ерназар оның басынан сыйпалады. Баланың Ерназарға не инам еткенин аңғармай қалған бай оны шақырып атлардың басынан шықпаўды тапсырды да, толып-тасып турған Ерназарға және бир күлип қарап қойды.
Бас ўәзир менен ахун Ерназарға кимниң не инам қылып не десип атырғаны менен иси болмай, бир-бирине көз астыларынан қарасып әлле нәрселерди ымласты.
- Уллы ханымыз, - деди бас ўәзир. - Енди пүткил Хорезм бул палўанды сиз қойған ат пенен Алакөз дейтуғыны даўсыз. Аммо, Алакөз палўан сизиң ағла ҳүрметиңизге қайшы келип, орыслар менен урысып, жеңип, салтанат қурып атырған пайтыңызда не ушын бир орысты азат қылыўды сорады. Бәлким, ол орыста мусылманлық бир қәсийет бардур, датханаға келип тәрийиплеп берсин.
- Ҳа, мейли! - деп хан түргелди.
Басқа еллерден шақыртылған ҳүрметли қонақларының ортасында тасып, салтанат пенен кетип баратырған ханның изинен қарап лалы шығып ойланып турған түркий ахунды бас ўәзир түртти.
- Меҳманлар менен қосып әкетпегенине өкпелемеңиз, екеўимиз изирегинен барамыз.
- Ооо, бас ўәзир! - деди ахунның үскини қуйылып. - Өкинишли. Жансыз Грушин Хорезмниң барлық бийнеқуясын ядында билип кететуғын болды, ядында!
Бас ўәзирдиң аяқларын ат басқандай бирден сескенди.
- Уллы хан бул жағына ой жибермесе, не қыламыз?
- Уллы Хорезм ушын қашанғы мен күйип писемен?...
Қандай дәрежеде күйип-писсе де, ап-аңсат көз жас төгип сөйлесе де, ҳәккедей айналасынан көз алмайтуғын ахун адамлардан шетирек турған Шәрип молланы бир бармағы менен шақырды.
Түйениң боталағындай гәўмис Шәрип молла орақтай иймек мурнын бир тартып, селдир жийрен сақалын сыйпалаўы менен үлкен геўдесине ҳеш жараспайтуғын шақшадай басын ишке тартыңқырап, мисли қара сабақтай көзлерин қыпылықлатып-қыпылықлатып, уры тазы киби қыйпақлап қасына барды.
- Әй молла, өгиздиң күши питкенге, өгиздиң ақылы питеди деген гәп бар қарақалпақларда. Сол Алакөз палўанға тийисли ме жоқ па?
- Баҳаңыз дәл келеди, ахунымыз, - деди молла. - Абайладыңыз ба? Алакөз түси суўық жыланға мегзейди. Ким де ким далада тоңып жатқан жыланды аяп жыллы жерге әкелсе ол алды менен соны шағады.
Бас ўәзир Шәрип молланың кишкене басынан таң қаларлық ақыл шыққанына таңланып, және нендей мазалы гәпи бар екен деген сораў нәзери менен телмирди.
- Бизде мынадай еки даналық бар, айтып кетейин кетейин, - деди молла. - Атқа алтын ер салсаң да сол жүриси. Шошқаның азыўын қағып, қулағын кессең де баяғы шошқа. Алакөзге бийлик түўе, алтын тахтқа отырғыз, сол өгиз Алакөз. Егер қарақалпақтан ақыллы жигит керек болса Фазылды дыққат тута билиңиз.
Тойға келген аўылласлары менен сәлемлесип болып киятырған Алакөзди молланың көзи шалып:
- Кешириңиз, уллы бас ўәзир, кәраматлы ахун, - деди де, бир қырынлаўы менен өз топарына қарай жылысты.
Ахун бас ўәзирге сыбырлады:
- Хан алдына барғанда кешеги урыста ерлик көрсеткен Фазылға бийлик сораў керек.
- Есимде.
- Ҳа, бәрекелла! - Ол Ерназардың жақынлағанын көрип бас ўәзирдиң аяқларындағы гүлмыйықлы сары геўишлерин мақтаўға өтип, даўысын көтерди. - Наятый жақсы геўишлер тапқансыз. Бундай геўишлерди уллы ханымыз еле кийген жоқ. - Ахун алақаны менен бас ўәзирдиң геўишлерин сыпырды. Ол өз нәўбетине ахунның арқасының шаңын қақты.
Ерназар ишинен: "Ешек-ешекти қарызға қасыйды" деген усы-дә! деп, бирақ елестирмеген болып қасына келип тур еди. Бас ўәзир бир қолы менен оның белбеўинен услады.
- Хорезмниң бахты ушын қандай күшлисиз! - Ерназардың тонының ийнинде шаң болмаса да бармақлары менен шертип-шертип жиберди. - Алакөз, сиз неге сонша өжетсиз? Сол орыстан не қайыр-сақаўат табаман дейсиз?
- Егер, сизлер де Грушин менен тиллессеңиз, көз ушында жанған бир шырақ көресиз. Ооох... Пүткил Хорезм сол шыраққа бет алса еди...
- Алакөз, өте қыялпазсыз, - деди бас ўәзир жуўасып. - Жасыңызда ертек тыңламағансыз ба? Анаңызды жүдә дилўар ҳаял дейди, талай ертек айтып берген шығар.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
16. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

15 Jan, 02:24


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ерназар оның теңейинде жүдә нәренжан еди. Нурлыбектиң өлгенин көргенлер оннан сирә бийдәме.
Ерназар иранлының Нурлыбек пенен гүресинде тәсиллерин бақлап отырған еди, оған тутыў бермеди. Я аяныштан ба, я ўатанласына сүйиспеншиликтен бе, тамашагөйлер толайымы менен Ерназардың тәрепинде. Оның шаққанлық етип иранлының бир неше тарпыўынан аман шыққанына ханның дөгерегиндегилер-әм йошланып, Ерназардың жеңисине тилек тилести. Ҳәтте, ханның "бас, Ерназаржан!" дегени де еситилди.
Палўанлар теке тиресин қылып кешке шекем алысты, жығыса алмады. Ымырт жабылғанда хан жаршыларды шақыртып, гүрес және бир күн даўам ететуғынын дағазалатты.
Бул хабардан соң пүткил қала халқы гүрес майданына ығылып, тамашагөйлер түни менен тарқаспады.
Хийўада тап усы ақшамдағыдай болып "қарақалпақ", "Ерназар" сөзлери тиллерде үзликсиз көп жаңғырған емес. Үлкенниң де, кишиниң де, хийўалының да, қарақалпақтың да пүткил Хорезм шуқырынан жыйналған барлық тамашагөйлердиң тилеги Ерназардың жеңиси. Сол күнги таң намазының азанына да Ерназардың аты қосылып айтылғандай туйылды дуйым журтқа.
Сәскеде гүрес қайтадан даўам еттирилди. Палўанлардың шаршағаны мәлим болып турса да, ҳәрекетлери жеделли. Иранлы кеше өзине исенимли еди, бүгин әдеўир-ақ басылған, ҳәтте, қорқыңқырап ҳәрекет етип жүрипти. Ерназар бүгин бираз өзгерген, кешегидей күйинип шырппа-шырп асыла бермейди, жүдә ғайбар салмақ пенен умтылып, гейде алыстан-ақ ыңырсып жамбас урады. Ол гүңиренип жамбас урған сайын та тамашагөйлер қосыла шуўласып "ҳа Ерназар, ҳа қарақалпақ" десип ыңырсыйды.
Күн түсликке тирелген мәҳәлде екеўи-әм суўға шомылғандай болды да, көзлерине тер қуйылып, алмагезек сүрнигисиўлерге қарады. Бир ўақытта ҳеш кимге елеспесиз бир пайытын таўып Ерназардың "ҳап!" деп бир ғайбарланғаны мәттал, журт иранлының аяғы жерден көтерилип, Ерназардың қушағында баратырғанын көрди.
Ерназар сол пәти менен кем-кем екшеп иранлыны көкирегине көтерди де ханның шардәресиниң алдына апарып шүй төбесинен таслады. Иранлы қазықтай қадалып барып қақ арқасынан түсти.
Тамашагөйлер қуўаныштан "Яша, Ерназар!" десип шуў ете қалды. Биразлардың бетлерин қуўаныш көз жаслары жуўды, ҳәтте, ханның да көзлеринен қуўаныш жасы мөлт етти.
Асқар бий баладай ойнақшып, ийнинен сеңсең постынын шешти де, үстинен пуўы бурқырап турған Ерназарға жапты. Ол маңлайының терин жүнлес билеклери менен алмагезек сыпырып, Асқар бийдиң тар тонын ийнине илдириўи менен ханның алдына ийилди.
- Бийлик шапаны! - деп сүренледи хан.
Бас ўәзир ушып түргелди де, Ерназарға қызыл мөрели шапан әкелип жапты.
- Ҳа, палўан қарақалпақ! - деди хан Ерназардың атын умытты. - Көзлериң ала екен, саған "Алакөз палўан" деген лақап беремен. Алакөз, уллы Хийўаның даңқын көтергениң ушын бүгиннен баслап өз руўыңа бийсең!
- Қуллық, уллы ханымыз, - деп Ерназар қол қаўсырды: - Сизден киширек бир өтинишим бар?
- Айтыңыз.
- Бийликтиң орнына мениң менен зинданда дуз-дәмек болған Грушин исимли орысқа азатлық бериңиз.
Кеўли тасып турған хан ойланбастан:
- Азат етилсин! - деди.
Буйрықтың алдын алып үлгере алмай бас ўәзир менен ахун тек еринлерин тиследи, бәри бир ахун парасат туталмады:
- Уллы ханымыз, оларды журтқа көз қылып өлтириў ше?...
Тула бойын жеңис мақтанышы бийлеген хан оны еситпей "Тыныш! Арман тур" деген мәниде қол сермеди ҳәм Алакөзге берген ўәдесин шаймалай алмай еки жәлладқа ийегин көтерип, буйрықты орынлаўға ишарат билдирди.
Ортада Сержан бай пайда болып ханның алдына келип ийилип маңлайы менен үш рет жер сыйпады:
- Уллы ханымыз, уллы ханымыз, Сизиң қусни-қәўметиңизди мендей бийперзент қулыңызға дийдар несип еттирген палўан Алакөзге сизиң атыңыздан тон жабыўға ижазат бергейсиз?
Хан оның тилегин қабыл еткенин билдирип үнсиз бас ийзеди. Сержан бай еле ҳеш ийинге тартылмаған кең сеңсең постын әкелип Ерназардың ийнине жапты.
- Мине, Ерназаржан, сен ушын үш сыйырдың пулына алғанман. Зинданда жатырғаныңда апарып бермекши едим. Тоздырмақ несип етсин.
Пүткил аўылына сықмар көринетуғын байдың сақыйлығы, бул иске гүўа бәрше қарақалпақлар менен Ерназарды да таң қалдырды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
15. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

14 Jan, 02:31


Гүллән халқымызды байрам менен шын жүрегимизден қутлықлаймыз! Бахытлы ҳәм парахат турмысымызға көз тиймегей!

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

14 Jan, 02:24


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ойланыңлар, қарамағыңызда қандай күшли палўан болса, аты-ҳаўазасын ҳәзир айтыңлар. Қәйерде жүрсе де алдырамыз. Гүресте бас байрақ алмаў - пүткил Хорезм ушын өлим! Ертең гүрестиң соңғы күни.
Ханның өзи келип, өзи муражат қылыўы, тыңлаўшыларда бир қыйлы сезим оятып, ҳәр ким ойланыўға мәжбүр болды.
Асқар бий желкесин қасып-қасып, бирден көпшиликти айырып алға өтти де, ханға қол қаўсырды:
- Уллы ханымыз, тойға мениң арбамды айдап келген Нурлыбек исмли бир палўаным бар. Өзиңизден пәрман болса, зинданда жатқан Ерназар исмли және бир палўанымыз бар.
- Ертеңге екеўи-әм тайын етилсин! - деди хан ойланбастан...
* * *
... Келеси күни хан буйрығы менен палўан кийимлерин кийгизгенлердиң арасында Нурлыбек пенен Ерназар да пайда болды. Олар басқалардан өзгеше тулғалы болмағаны менен, тамашагөйлердиң дыққатынан онша шетте де емес, Ерназардың сақал-мурты пардозланып, шашы алдырылып үлгерген еди. Журтшылық оның сүбе қабырғалылығына, арыслан көкиреклилигине, ҳәтте, желкесинде жалы барлығына қарап исенсе де, арықлығынан қәўипленеди.
Ол зинданнан кеше шыққанға усамайды, әлле нәрсеге исенимли, кеўилли. Неликтен де Гүлзийбаның "палўаным" дегени есине түсип, алдындағы Нурлыбек пенен Гүлзийба көз алдына елеследи. Қыздың суўдан шыққандағы поррықтай ақ денеси... Ерназардың тула бедени дир-дир етип бир силкинди.
Нурлыбек оған қарағанда анағурлым дуғыжым еди, бәршениң үмити тек сонда.
- Нурлыбек, - деп сыбырлады Ерназар. - Усыннан жеңсең, бир нәрсе айтаман. Қуўанышлы. Бахыт. Қыз.
Нурлыбек қуўжыңлап сала берди:
- Ким еди, аға?
- Аты Гүлзийба, жүдә сулыў қыз, сени сүйеди.
- Ҳа, көргенмен. Гүлзийба ушын дүньяның төрт бурышын гезсе де арзыйды.
- Илайым, жыққайсаң!
- Аўмийин!
Ортаға иранлы палўан шығып, қурға жолбарыс қараслар менен нәзер таслап, арман-берман гезип жүрипти. Ол орта бойлыдан келген, пүткил денеси қорғасыннан қуйылғандай нық. Сарай палўанлары киби аяқ-қолларында қоңыраў тағылмаса да, булшық етлери шертилип, жүрис салтанаты менен-ақ ҳәммениң дыққатын өзине аўдарды. Жаршы оның жаўырыны жерге тиймеген палўан екенин, тойдың бастан ақырына бириншиликти алып киятырғанын дағазалады. Журттың жүреги суўлап, хорезмли палўанлар отырған тәрепке қарап еди, билегин сыбанып түргелген Нурлыбекти көрип, тек қарақалпақлар емес, пүткил хийўалылар оның тилегинде. Нурлыбектиң атын күтә суўық жәриялады. Хан өзинен сәл алысырақта отырған Асқар бийди ийеги менен нусқап қасына шақырды. Нурлыбектиң шығысы жөнинде сорап алып, басын өкинишли шайқады, бирақ пәлен-төлен демеди.
Күтә тәжирийбели иран палўаны ҳә дегеннен-ақ Нурлыбекке ҳәр қыйлы ҳийлелер қылып, оның көп гүресип жүрмеген палўан екенин сезди ме, әўелги пәттегисиндей қашпай, бир пайытында мойнынан услап басын қолтығына тығып алып табжылтпай, бир майдан қысып турды да, бирден жиберди. Нурлыбек жерге сылқ етти. Ерназар Нурлыбекке не болғанын билип, жуўырып барды да, иранлыны бир түйди. Иран палўанына ғәзебети оянған тамашагөйлердиң төбелеси көтерилип кетпеўи ушын қурды бақлап турған пашшаплардан онлағаны алға өтип, төртеўи, Нурлыбектиң өли денесин көтерип ортадан әкетти, қалғанлары Ерназарды қоршалап сыртқа тартты. Иран палўаны Ерназардың бир мушына исинип, аш жолбарыстай көз алартың изинен қарап тур.
- Пашшаплар, Нурлыбектиң қаны ушын, киндик қаным тамған Хорезм ушын руқсат бериңлер! - деп Ерназар жалбарынып баратыр еди, оның даўысы ханға еситилди.
- Бул ким? - деди ол таңланып.
- Уллы ханымыз, зиндандағы Ерназар палўан усы болады, - деди Асқар бий.
- Өзи жүдә арық ғой, өлип қалса ҳеш ким күлмей ме? Устазы бармеди?
- Устазы қазақ палўаны еди.
- Көп қазақ палўанлары орыстан устаз тутатуғыны мәлим, - деди бас ўәзир.
- Мейли, өз обалы өзине, - деди хан бас ўәзирине. - Бул қурымсақ-әм әжелине асығып турған шығар, салыңлар иранлыға!
Жаршы жылдам қурды бир айналып Ерназардың атын дағазалады.
Өшигип турған иранлы аяқларын бурынғыдан да салмақлы көтерип талтаңлаўы менен, жүнлес, темир түсли билеклерин сыбанып, аппақ тислерин көрсете тисленип Ерназарға қарсы жүрис етти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
14. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

13 Jan, 02:30


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

13 Jan, 02:19


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Кәраматлы ахунның айтыўы бойынша Хорезмниң бас жаўы сол дәрўаза таманнан келеди, душпанлар көрсин ҳәм күйсин.
Хан көзлерин перделеп мақуллап бас ийзеди.
Той салтанаты басланды...
Хан барлық жарыстың ишинде гүрести жақсы көрер еди, гүрес майданына қурылған шардәресине барғанынан қозғалмай, гүрести тамаша қылып отыр. Гүрестиң екинши күни ханның қабағы жабылды. Усынша даңқлы той берип, сонша салтанат қурып, орыс ләшкерин жеңгенин әлемге жәрия қылыў ушын жүдә узақ елатларға, ханлықларға хабар жиберип, қонақлар алдында Хорезмниң байлығын көрсетиў ушын ҳәмме нәрсени ағыл-тегил қылса да, меҳманларға ең атақлы билгир жигитлерден хызметке қойса да, гүрес пайытында Сарайдың қоңыраўлы палўанларынан бас байраққа илингени болмады. Қайтама, биразлар күшли қолларға төтепки бере алмай, гүрес майданында жан тәслим етти. Көпшилиги майрылды.
Хан намыстан қанасына сыймай исинип, арнаўлы шардәресинен түсип, орыс ләшкерине қыйрата соққы берген көп бийлер менен әскербасылар отырған топарға келди. Олардың өрре-өрре тикейип, даўыл менен қыйсайған бир қыйтақ бийдайдай жапырыла бас ийгенине сыртлай мәзи-майрамлылық кейип тутқаны менен, бети қалқыңқыраған еди, ҳәмме қорқып тур. Бирақ ол бирден ишки зәрдесин туйдырмаўға тырысып, көзлерин күлимлете ойнақшытып бәрше бийлер, әскербасылар менен бирим-бирим қол алысты.
Асқар бий өзиниң қақ жыңғылдай бармақларының, ханның пахтадай жумсақ бармақларына тийгенине масайрап, бирақ, оны пүткил қарақалпақ елаты көрмегенине ишинен қынжылса да, өз қолын өзи теберик қылып, хан қолына тийген бармақларынан май ағып баратырғандай аўзына алмагезек салып, сүйди. Сорыды. Бул мәртебесине гүўа излеп, кимниң болса да қарап турғанын көриў ушын көз астынан сығаланып еди, қапталындағы хийўалы бийди көзи шалып сыбырланды:
- Қандай бахытлымыз!
- Неге? - деди ол әстен.
- Уллы ханның кәраматлы пәк қоллары биз мөминниң гүналы қолларына тийди.
- Асқынлама, қарақалпақ! - деди хийўалы бий сыбырлап. - Кәраматлы пәк қоллар көзди ашып-жумғанша геллеңди қағып түсиўи де таажип емес!
Ханға бүйтип тил тийгизетуғын хийўалы бийди кермеген Асқар бийдиң жүреги суўлап, абайсызда биреў еңсесине қойып салғандай пәти қайтып, жым болды, сөйтсе де кеўли тоқ. "Мен бахытлыман! - деди ишинен, - бул оңбаған айта береди, шексиз бахытлыман! Ханның қолына қолын тийгизиў түўе, сарайға кире алмай неше қарақалпақ өлип кетип атыр. Мен ше? О-о, маңлайы қара хийўалы, жөниңе тур. Мен сени ханға айтпай-ақ қояйын. Ондай қатын минезлилик менде жоқ. Билесең, ханның қолынан өлиў-әм бахыт! Илая, ханның мәртебеси аса бергей".
- Қәўми-ғардашлар! - деди хан жүдә талықсып. - Орыс ләшкерин жеңип исламның, Уллы Хорезмниң даңқын көтерген сиздей мәртлерге мәңгиў шан-шарафлар болсын! Үстиңизге мәңгилик қуда нуры жаўсын! Аўмийин!
- Аўмийин, аўмийин!!!
Ҳәтте, самал да "аўмийин" деп гүўлегендей болды.
- Хорезм шуқыры әзелден ислам нуры менен суўғарылған, - деп хан гәпин даўамлады. - Ғайры динде от ҳәўири болса, исламда қуяш ҳәўири бар. От жанады, өшеди. Суў қуйсаң биротала тамам болады. Қуяш нуры пүткил әлемге жайылады, пүткил әлемди жақтыртады, керек болса пүткил әлемди өртеп-әм жибереди. Буған ийманым кәмил, иншоолла! - Хан ҳәр сөзине мәни берип аса йошлы ҳәсер менен сөйлесе де, орыс ләшкери ҳәзирше жеңилгени менен қай ўақ-бир ўақ күш топлап, өш алмай қоймайтуғынын ишинен биледи. Сонлықтан ба, даўыс толқынынан әззилиги, ертеңги исенимсизлиги байқалып тур. Ханның көлеңкесиндей ерип жүрген түркий ахун оның ишки сырын уқты да, "уллы ханымыз, өзиңизди басыңыз, батыл сөйлеңиз" дегендей шалғайынан тартып қойды. Хан өзи менен өзи болып, оған қарамай қолын қағып жиберди.
Ахун ҳәккедей жән-жағына қаранып, ханды қорғап жүрген балталы жәллатларға "бәсиң" деген ишарат билдирди.
- Кәраматлы Хорезмниң сүтинлери, - деди хан және муражат даўысы менен. - Сизлерден жасыратуғын сырым жоқ, барлық исим айнадай. Көрип атырсызлар, палўанларымыз абырай әпермеди. Егер усыннан бас байрақ алалмасақ уллы орыс патшалығының күшин тас-талқан қылған уллы Хорезмниң күшине басқалар исенбейди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
13. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

12 Jan, 07:28


Қуўаныш сыйлаған достым

Шынын айтсам, алдын көрип бир түрли,
Көтермес едим мен айтқан ҳәзилди.
Басқыласа кеўлим қабарып жүрди,
Ал, басқаша көзқарасым ҳәзирги.

Буның себепшиси өзиңсең, достым,
Ҳәзилди сүйиўди маған үйреттиң.
Шадланып жүриўиме үлес қостың,
Жақсылығың ушын бәлент ҳүрметим.

Кеўил жақынласып ҳәзил арқалы,
Дослығымыз беккемленди кем-кемнен.
Сендей жан достыма сүйеп арқамды,
Жолларда бийқәтер жүрип келемен.

Ҳәзиллериң баўрап алып өзине,
Кеўлим алысласар қайғы-муңлардан.
Беш кетип, тәсийин қалып сөзиңе,
Қызығып, қунығып, уйып тыңларман.

Күлки менен мәлҳам болған кеўилге,
Өмирбек лаққыға уқсаттым сени.
Шайда еткен қаракеңше ҳәзилге,
Жүрегиме жақын жорамсаң мениң.

Өткир сөзиң турды мени ийирип,
Ҳәзиллесип кеўилиме жол таптың.
Туўысқандай саған бурар бүйирим,
Терең сезиндирдиң дос болыў бахтын.

Кеўлимниң дым нәзиклигин ескерип,
Ойланып сөйлейсең айтсаң да ойнап.
Дәртлесемен, сырласаман ес көрип,
Қайғымды аларсаң қуўаныш сыйлап.

12-январь, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

01 Jan, 06:12


Жаңа жылым жаңа бир китап

Жаңа жыл мазмунға толы бир китап,
Ол үш жүз алпыс бес беттен ибарат.
Азықланар кеўлиң оқысаң шынтлап,
Ўақыялар жайғасар боларлық ибрат.

Ҳәр кимде ҳәр қыйлы қалдырар тәсир,
Ҳәр жан шығарады өзинше жуўмақ.
Шебер сүўретленер рәң-бәрең тәғдир,
Танысып шығамыз кеўлимиз туўлап.

Сюжет тартымлы, образлар жарқын,
Суўғарылған сулыў сезимлер менен.
Қаҳарманлар сондай жүрекке жақын,
Әзиз оқыўшыға ой салар терең.

Мәзи көз жуўыртып болмайды оқып,
Бетлеў ләззет берер кирип ишине.
Нурлы идеядан кеўлимиз толқып,
Шеп болмаймыз үлги алсақ исинен.

Бул китапта тартарлықтай дыққатты,
Жаңа пикир, жыллы сезим берилген.
Талап етер оқыў сабыр-тақатты,
Жыллар жылўаланар маңлай териңнен!

1-январь, 2025
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

01 Jan, 03:27


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

01 Jan, 03:12


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Жақын жерден мени үйине киргизеди".
Келеси күни аўыл арасында арман-берман шабысқан атлылар-әм көбейди. Бул Гүлзийбаның кеўлине және де ғулғыла салды. Гилең жас жигитлер әлле қаяқларға кетиўге жыйналысып атырғанға усайды. Тезирек Ерназарға көринип, күтетуғынын айтып қалыўы керек.
Епке келгендей сыны дүзиў кийимлерин кийди. Айнала оның көзине үйреншикли, күтә әпиўайы болып көринетуғын еди, бүгин жол бойындағы бүршиги түсип үлгермеген жыңғылларға шекем оған усынылып турған буўат-буўат гүл болып, Ерназардың аўылына бас ийип узатты. Самал желбиретип гә қулағын, гә аўзын басқан тулымшақлары менен ойнап, дийдиленген үйине жетип те қалды. Кириўге келгенде еңсесинен нәмәлим бир салмақ басып, есик алдында гилт тоқтады. Иштен сөйлесик еситилди:
- Ене, мен балаңа Хийўадан хан зергери соққан билезик, жүзик әкел дедим.
- Әкелер, шырағым. Қараша ханның тусында, қатын ердиң тусында дейди. Әкелер, бахытлы келиншексең.
- Ене, ырасында да мен сизиң үйге бахыт болып келдим ғой-ә?
- Аўа, шырағым.
Гүлзийба ғырра изине айланып кетпекши болып турды да, иштен биреўдиң шығып, "тың тыңлаған кимсең?" деўинен қорқып тәўекел, жез ший есикти көтерди.
Ана табақ жуўып, қасында бес, алты жасар ақлығы Хожаназар қызыл нағыслы зереннен қатық ишип отыр еди. Албырағанынан төрде бөпесин емизип терис қарап жатырған Рабийбини аңғармай тек ананың қолынан алды. Қумар аналық Гүлзийбаны бурыннан таныйтуғын еди, онын сынын дүзеп, орасан сулыў қыз болғанын көрип, түргеле сала оған төсек салды. Қыз бундай ҳүрмет болады деп ойламаған еди, қысына-қымтырыла төсектиң шетине дизесин басып, аманат ғана отырғаннан кейин, терис қарап бир шығанақлаған ҳалында жатырған Рабийбини енди аңғарып, ишинен қуўанды. "Палкер дурыс айтыпты, аўырыў екен!" деген қыялын еситтирип қойыўдан қорқып, қан қызыл ернин қымды. Ана қызының қысыныспаға түскенин сезди:
- Еркин отыра бер, қызым, ҳәзир шай қайнатаман.
Рабийби басын бурды.
Белиниң жиңишкелиги, бет-әлпетиниң сүўен жақлылығы, мүшелериниң иләнәзиклиги менен сулыў көринетуғын келиншек, бир қапталдағы төсекте таўыстай болып отырған Гүлзийбаның толық денелилиги, дөңгелек айға тақәббил бет алмасының қаймағы алынбаған сүттей ақлығы менен оғыры гөззал көринип отырғанын жақтырмай, мурнын гиржийтти.
- Ҳәй қыз, нәмнаған кемпирге шай қайнаттырғанша, өзиң қайнатып ишсеш!
Гүлзийба үнсиз түргелип даладан бир дәсте отынды сулыўлап пуштарлап әкелди.
От мазлап жанған гезде Мәўлен сары кирди. Оның шырайында әлле нәрсеге тәшўиш изи бар еди. Ана бир нәрсе деўин күтип бетине телмирди.
- Жеңге, - деди ол отырып үлгермей-ақ. - Билесиз, мен бир сумлық қыла алмайтуғын жигитпен. Бирақ, бир жаман хабар айтыўға ҳәм өтиниш қылыўға келдим.
- Жаман хабарды бөлисермиз, өтинишиңди орынлармыз.
Асқар бий ҳәзир Фазылға күш берип, "аға бий"диң жигитлерин жыйнатып атыр. Еситиўимше, орыс патшалығына қарсы, урысқа баратуғын қусайды. Ерназар аға бий қайда десем, Хийўаға бас ўәзир шақыртып кетти, деди. Сол ушын сизге асықтым. Орысларға қарсы урысқа барсамбекен? Бәлким, Ерназарды үлкен әскербасы қылыўға я ҳамал бериўге шақыртқан шығар. Қолына лийкин тийсе, мени бир ҳамаллы қылсын, жеңге.
Қумар аналық оның көзлерине қарап отырып күлди.
- Шыным, Қумар жеңге, - деди ол егитилип. - Ҳамал маған емес-тә, ағайинлерге керек екен. Солардың алдында абырайың болады. "Аға бий"диң ендиги зыяпатында дүрреши болып, Ерназардың жек көргенлерин өлгейлиден ураман.
Ана оның дузсыз гәплерине ашығырақ жуўап қайтармақшы еди, өзине ҳай берди. "Ҳәр нәрсениң изине бағыў керек".
- Ерназар келе берсин, көрермиз.
Мәўлен сары қайта-қайта миннетдаршылық билдирип үйден шығып кетти.
Ерназар Хийўаға кеткели аўыл арасындағы шаўқымлардан хабарлы ана, әлле қандай күтилмеген ҳәдийсениң жүз беретуғынын сезип, улының тезирек қайтыўын асығыслық пенен күтип жүр еди. Мәўленниң Асқар бийдиң ҳәрекети жөниндеги хабары кеўлин қабартса да, Ерназарға Хийўа ханы ҳамал берер деп болжаўы, оның да болжаўын тастыйықлады. "Қәне, усыннан Ерназаржаным хан пәрманы менен бас бийлик алып қайтса!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
01. 01

Baxıtlı SARÍBAEV

31 Dec, 19:01


Ҳүрметли Ўатанласлар!
Бәршеңизди жаңа 2025-жыл менен шын жүрегимнен қутлықлайман! Илайым, жаңа жыл ҳәр бириңиздиң өмириңизге мазмунлы ўақыялары, қуўанышлы ҳәм бахытлы мәўритлери менен кирип келсин!

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

31 Dec, 15:32


Жаңа жылдың қәдемлери қутлы келгей!

Baxıtlı SARÍBAEV

31 Dec, 13:44


#Жүректен_шыққан_тилеклер
#Жақсы_тилек_жақсы_саўға
#Қәдирлениў_бахты

Ўалейкум ассалам Бахытлы балам, аман-саў журсең бе, үй ишлериң, ата-анаң, туўысқанларың бәри аман ба?
Жаңа жыл байрамына жазған қутлықлаўың, итибарың,
тилеген ең жақсы тилеклериң ушын рахмет, тәңир жарылқасын!
Өзиңди де 2025-Жаңа жыл менен қутлықлай отырып, дүньядағы бар жақсылықларды тилеймен!
Қосыкларыңда жазғаныңдай өзиң сүйген қызды тап усы
2025-жылы ушыратып, кеўил қойысып, үлкен тойлар берип, керегеси бийик үлгили шаңарак қурып, муҳаббаттың, бахыттың, шадлыктың теңизинде жүзип жүргейсең, балам!
Группаға қойған шығармаларыңды, жүрек дебдиўлеринен келип шығып жазған әжайып қосықларыңды оқып, соның менен бирге ҳәр қыйлы окыў орынларындағы әдебият шайдалары менен болған ушырасыўларыңды қызығыўшылық пенен бақлап бараман. Сөйтемен де халкымыз арасынан Сиздей талантлы жас шайырдың жетилисип шығып атырғанына ишлей қуўанаман, талантың еле де өрлеп, абырой-мәртебең арта бериўин Алладан сорайман!
Саў-аман болғайсаң, жақсылар жолдасың болып, жаратқан ийем ҳәмийше жақсылықларын сыйлағай!
Жаңа жылда беккем ден саўлык, шаңарағыңа аманлық, мол бахыт, кетпес дәўлет, үлкен творчестволық табыслар тилеймен!
Жаңа жылды жақынларың менен кеўилли күтип алып, жаксы дем алың!
Сәлем менен катардағы оқырманларыңның бири Амангул апаң.

Baxıtlı SARÍBAEV

31 Dec, 12:22


2024-жыл даўамында биз бенен бирге болғаныңыз ушын миннетдаршылық билдиремиз. Жаңа 2025-жылда да каналымызды бақлап барасыз деген үмиттемиз.
Жаңа жылды жақсы күтип алың!

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

31 Dec, 05:04


Қарақалпақстан телеканалы арқалы эфирге узатылған "Мен басқан излер" көрсетиўиниң мийманы Қарақалпақстан халық шайыры Гулистан Матёқубова

Baxıtlı SARÍBAEV

31 Dec, 04:29


Сыйқырлы ҳәм умытылмас ақшам.
Усы бахытлы мәўритлерде тилеген барлық жақсы тилеклериңиз жаңа жылда иске аса бергей!
Өмириңиз көркем болғай!

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

31 Dec, 02:24


#Қутлықлаў
#Жаңа_жыл
#2025_жыл

Ассалаўма алейкум ҳүрметли заманласлар!
Бәршеңизди санаўлы пурсатлардан соң үлкемизге кирип келетуғын жаңа 2025-жыл менен шын жүрегимнен қутлықлайман!
Илайым, жаңа жыл мол ырысқы-несийбели, қут-берекетли, табыслы, жетискенликлерге толы жақсы жыл болып келгей! Өтип баратырған 2024-жылда орынланбаған арзыў-нийетлериңиз жаңа 2025-жылда иске аса бергей!
Жаңа жыл өмириңизге гөззал, қуўанышлы ҳәм бахытлы мәўритлерди инам еткей!
Нәўпир дәрьямыз суўға, дастурханларымыз нанға, кеўиллеримиз нурлы сезимлерге толы болғай!
Жыллар бизге устазлық етип, өмир ҳаққында тыянақлы сабақ берип, көзқарасларымыздың, инсаныйлық пазыйлетлеримиздиң жетилисиўинде салмақлы орын ийелейди. Сонлықтан да, жыллардан шексиз миннетдармыз.
Жыллардан жылларға, байрамнан байрамларға баўыры пүтинликте, аман-есенликте жетип жүре бергейсиз!
Ҳүрмет пенен Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

31 Dec, 02:10


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Гөне Үргеништен қашып киятырғанда жолығып, арқасында ылашықтай отыны менен Ерназарды таңландырған қарыўлы қул. Иши ғымылдап, жүреги силкингендей болды. Ерназардың жолдасы аты менен адамларды айырып барып даўрық салды:
-Бул кимниң қулы?
Асыққанынан мелле шапанының белбеўин буўып үлгермей басындағы сары шалмасының бир ушы арқасына ҳалқа болып түсип, геўишлери салпылдап киятырған, қаптай семиз бай өлини көре сала жамбасына урды:
- Ўай нәлетий-әй! Пәнт бериўин! Халайық, көрдиңиз бе, уятсыз қулдың тәсилин? Сатып алғаныма бир ай болған жоқ. Кеше ашыў менен анасын сөккенимде "усы азабың ушын меннен жаманлық күт" деп еди, қылған жаманлығына қара заңғардың? Күшли деп үш қулдың баҳасына алғанымды қәйтейин? Әстаўпыралла, қулдың аршылын биринши көриўим.
- Өлиўге бос ўақыт бермеў керек еди-дә! - деди Ерназар.
Бай оны тыңламай, көпшиликтиң арасынан маңлайына қул таңбасы басылған екеўин айырып, семиз қолы менен арқаларынан түйгишледи:
- Ҳа, найсаплар, усының жолына түсип мени зыянда қалдырыў нийетлериңиз бар-е? Қалдырып бопсыз! Жумыстан кейин аяқ-қолыңыздан кисен айырсам, атамның төли емеспен,
- Жүр кеттик, Ерназар. Хийўада бундайларды жийи гезлетесең, - деди шабарман. - Еситтиң ғой, ийесине зыян бериў ушын өзин-өзи буўып өлтирген. Аршыл қул екен-дә!
Бул ўақыя енди ғана Ерназардың жүрегине қанжар болып суғылып, сарай дәрўазасына жеткенше бир аўыз сөйлесиўге деми жетпей қысылып, усы өлген қулды тирисинде көрип, сондай он мыңлаған қулды әрман еткенине жанын жеди, өкинди...
Дәрўаза алдында оны ертип келген шабарман "иркиле тур" деп ишке кирип кетиўден көп узамай, онлаған жарақлы нөкер пайда болып, Ерназарды қоршады. Ол апалақлап жән-жағына қаранды. Ертип келген шабарман ҳеш жерде көринбеди. Соның арасында нөкерлердиң екеўи оның атын жылаўлады, қалғанлары еки жақлап келип ерден аўдарып алды. Шабарман, әлле қаяқтан сыңғырлатып әкеиятырған кисенин Ерназардың қолларына кийгизип болғаннан кейин суўық демин алып, нөкерлерге масайрап маңлай терин сыпырды.
- Ҳа, найсап, Асқар бийге "арыслан жеп қойса да, түлкиниң артына тығылмайық" дегениң есиңде шығар... Енди сөйлесемиз. Нөкерлер, зинданға жеткенше бек болыңлар, бул дала жолбарысын тирилей әкелиў, маған аңсатқа түскен жоқ...
5.
Ең биринши пайда болған ышқы-муҳаббат сезими кеўилде ҳәксерлик пайда етеди. Ҳәксерли көзлерге дүнья ҳеш қашан өз қәлпинде көринбейди, гә гөззалланады, гә гөнереди.
Гүлзийба Ерназар менен ушырасқанының ақыбети неге әкелетуғынын билмей, дүнья оған биротала гөззалланған киби, жетимликке түскели биринши рет тыныш уйқылады. Жүдә жақсы түс көрип оянды.
Түсинде Ерназардың келиншеги өлипти. Адамлар жыласып, Гүлзийба менен Ерназар қол усласып, жыласқанлардың үстинен күлисип бир шетте турыпты.
Көзлерин ашса, Теңел ошаққа отын салып, өшип баратырған қозды алыстырыў ушын үплеп атыр екен.
- Теңел, Ерназар ағаның ҳаялы өлген бе? - деди ол ҳәзир ғана түсине енген ўақыя ырастай түйилип.
- Еситпедим.
Гүлзийба ериниңкиреп түргелди.
Теңел асығып баспақ бағыўға кетти.
Ылашықта жалғыз қалған қыз тула бедениниң аўырғанын енди сезинсе де, түси ырастай түйилип, қоңсысына барып сорап қайтқысы келип турды да, анасының тирисинде айтқан бир нәсиятын еследи. "Қыз бала сырын сақлай билиўи керек".
Бир күнниң ишинде ержетип, еси енип қалған секилли, қоңсыларынан ертеңине де сорамады. Усылайынша өзин басып салдамлылық пенен он күн өткерди. Он күни оған он жылдай болып өтти, бирақ хабар алатуғын Ерназар жоқ. Ақыры, шыдамай, "әўелин өзим басладым, өзим даўам етейин" деп, Ерназардың аўылына барып қайтыўға бел байлады. Басқалар көрсе, үйинде өзи болмаса, не дейди. Сылтаў керек. "Ҳа, яша", - деп ол басына келген бир ойға қуўанып ушып түргелди. - Өзи жоқ болса анасы "не қылып жүрсең, қызым" дейди. "Ана, сизиң аўыл тоғырақ, сол ушын көшип кележақ едим", деймен. Бул заманда напақа ушын көшип-қоныў, ҳеш қандай айып емес. Егер ол мениң өтинишимди шынға айландырып, көшип келе ғой десе, көшип-ақ бараман. Қайтама жақсы. Жақсы! Оның төбесин көриўге зар болып жүргенше аўылында жасап, күнде көремен, ҳаялы өлсе, гүл үстине гүл!
(Даўамы бар)
@BaxitliSaribaev
31. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

30 Dec, 03:53


Бахытлы Сарыбаев Кеўил нағысы
https://youtube.com/watch?v=LnLX9vjSjQk&si=2DFMTashkpLzx0kf

Baxıtlı SARÍBAEV

30 Dec, 02:10


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Исламды қорғаймыз. Исламның шамшырағы Хийўаны қорғаймыз, иним. Ханды қорғаймыз, өзлеримиз туўылып өскен уллы Хорезм шуқырын қорғаймыз.
- Жооқ, бий аға, өзи аз санлы халыққа бул келиспейтуғын ис. Ең болмаса, халқымыздың күн көриси жақсы болса еди, әне, соны қорғасаң бир қуп. Қайдан билемиз, орыс патшалығы биз сыяқлы аз санлы халықларға жақсы нийет пенен киятырған шығар. Ҳеш нәрсеге көзимиз жетпей турып, алдынан урыс пенен шықпайық.
- Сонда Хийўа ханы менен орыс патшалығының урысқан тамашасына қарап отыра беремиз бе?
- Басқа не илаж? Өзи тиймегенге тас атыў да, биреўдиң сақпанына салған тасы болыў да бизге дәркар емес, бий аға. Егер хийўалы меҳман кеўлине аўыр алмаса, арыслан жеп қойса да, түлкиниң артына тығылмайық, деп едим.
Асқар бий Ерназардың бир сөзлилигин билер еди, енди әңгимени қанша созса да, қалай жалбарынып, қалай түсиндирсе де хан тапсырмасын оған мақуллата алмаслығына көзи жетти.
- Өзиң бил, иним. Меники тек ўажыбаты ийман.
Азанда хийўалы күтә қуўжыңлап, ақшам ҳеш қандай гәп еситпегендей, күтә кемтарлық пенен қысыла-қымтырыла Ерназарға муражат қылды.
- Қәдирли мезбан, кеше жолдан шаршаған екенмен, қатты уйқы қысты. Оның үстине Асқар бий менен өз ара гәплериңизге кесент келтирмейин деп тыныш уйқыладым. Өз елиңизде күтә абырай қазанып, шан-шуҳрат алған жигит екенсиз. Сол ушын жолда Асқар бийге де туйдырмаған бир жаңалығым бар. Сизди уллы бас ўәзир дәргәхына шақыртып жиберди. Мәгар болса, сизге жақсы нийети бар.
Асқар бий бул хабарды жаңа еситип атырғанға мегзеди. Жақсылыққа жорыў керек пе ямаса жаманлыққа ма?
Қалай болса да бас ўәзирдиң шақырығына бармай қалыў мүмкин емес.
- Қашан?
- Бүгин жүрсеңиз, мен ғәрипти бахытлы етесиз.
Ерназар үнсиз түргелип, анасына ойласыў ушын ылашыққа кирди де, қасына бир дизерлеп отырып хийўалының өтинишин баян қылды.
- Бас ўәзир шақыртқан екен, қалма, балам, - деди ана ойланбастан. - Бирақ, бир нәрсе есиңде болсын, түлкиниң жүни өзгерсе де, әдети өзгермейди. Және абайла, сени ертип әкететуғын шабарман қасқыр болмасын, қасқыр менен жолдас болғанның таяғы қасынан қалмаўы зәрүр.
Ерназар қонағына келип:
- Қәдирли меҳман, мен сизиң еркиңиздемен, - деди.
Хийўалы жүдә мүләйимлик пенен рахмет айтып, енди жолға асығыў кереклигин өтинди.
Ат ертлеўге шыққан Ерназар қораға сүйенип баласы менен турған Ғарғабайды көрди.
Ол өзиниң үсти-басы қус түткендей болыўына қарамастан, улын жүдә ықшамлап кийиндирипти.
- Ҳа, Ғарғабай аға, тынышлық па? - деп Ерназар баланың басындағы қара ылақ терисинен қыстырғышланған дегелейин алып айдарынан сыйпалады. - Ҳа, Бердақ, бир жола бет ашар айтқаныңды көрдим бе?
- Көргенсиз, Ерназаржан, - деди Ғарғабай уялшақлық пенен көзлерин сыйпалап. - Билмеймен, жети атамыз еситпеген әрўақ бар, усы баламда. Қарап отырып-ақ қосық шығарады. Мектеп көрсе бир нәрсе болар ма деген қам дәме. Тап Хийўада оқытқым келеди.
- Хийўада оқытқаның ғой күтә жақсы, тек кеширмең көтерсе.
- Түнде сизиң үйде хийўалы мийман бар деп еситтим. Егер бар тапқанымды сатып-суўып Хийўаға апарсам, жәрдем етермекен дейжақ едим.
Үйден шығып, олардың сөйлесигин тыңлап турған хийўалы:
- Ҳа, күтә қызық адам көринесиз, - деди мысқыллы езиў тартып. - Кимлигиңизди, балаңыздың қандайлығын үсти басыңыз-ақ көрсетип турыпты. Сендейлердиң-әм баласы Хийўаға жайласа берсе...
Ғарғабай менен баласының теңнен қабақ шытып, кеўли бузылған кейпине Ерназардың иши ашып жубатыўға урынды:
- Ғарғабай аға, мен ҳәзир Хийўаға баратырман, бәлким, медресеге кирип сөйлесип қайтарман.
- Сапарың оң болсын, иним!
- Аўмийин!
Хийўалы түнериңкиреп атына қарай жылысты.
* * *
Ерназар менен шабарманның Хийўаға жеткенше сөйлесиклери, жолдың еки бойындағы ҳәр қыйлы өсимликлер, дәрья, ҳаўа райы жөнинен асып түспеди.
Қала ортасындағы көп көшениң бәндиргисинде көпирге таласқан малдай бир-бирине жол бериспей әлле нәрсеге таласа үңилип атырған адамларды көрип, шабарман солай бурылды. Ерназар ат үстинен мойнын созды. Ортада бир өли созылып жатыр. Турпаты таныстай түйилип жақынлады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
30. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

29 Dec, 02:26


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Уйқыға жатқан соң да айтаман.
- Ўай, әжеапа, өкшелериң қанап турыпты ғой.
Қыз еки жилигин сыпырмай киргенин енди уғып:
- Өйбейй! - деди де шөкке түсип отырды. - Жаңа ана кәрада бир түп шеңгелди басып алдым.
Теңел итибар бермей отын пуштарлаўға киристи.
* * *
Ерназарға Гүлзийбаның сол ақсаңқырап, қараңғыда көзден ғайып болғаны, көз алдында суўға сүңгип кеткендей-ақ түйилип, аң-таң. Қыз өзи менен бирге буның ақыл-ҳуўшы, күш-дәрманын қосып әкеткен сыяқлы, я қамшы услаған қолы, я жүўен тутқан қолы ҳәрекетке келмей, әдеўир ўақыт турды да, өзине ҳай берди: "Жаңа жигит болғаннан, жаңа қыз болғаннан сақла деген усы. Бийшара жетим енди қыз болып, балалық ҳәсери менен не қылғанын да билмей кетти-аў"...
Атын изге бурды.
Ол соңғы жыллары, бүгингисиндей бирин-бири қуўған, биринен бири артықмаш ҳәр қыйлы жағдайларға дусласып, бир жағы үзилсе, екинши жағы шым-шытырық болып атырған өрмекшиниң аўындай ойлардың қурсаўында қалмаған еди. Тәғдир шатқан қыйлы-қыйлы ҳәдийселер басының ишинде ҳәр жаққа шертилип, ҳеш қайсысы шешим таптырмай оны ерксиз айдап киятыр. Тек яўмыты арғымақ ғана кешеги жем жеген жерин умытпай оны үйине әкелди.
Есигиниң алдында байлаўлы үш атты көрип, көп ойлардан мажырасы шыққан жигит бирден қәддин тикледи. Бири Асқар бийдиң аты. Ерназарға атақлап жаманлық та, жақсылық та қылмайтуғын бул бий ардақлап келе бермейтуғын еди. "Ҳаа, - деди ишинен. - Жақсы болды. Нурлыбекти ертип келген болса, Гүлзийбаны силтеп жиберейин. Оның сандырақлағанында "палўан" деген сөз бар еди. Меннен соңғы атақлы палўан Нурлыбек. Мен ҳаял алғанман, балаларым бар. Нурлыбектиң басы ашық, еки жетим қосылысса, қандай тең жуптылар..."
Усы ойлар менен ишкерилеп, Асқар бийдиң қасындағы түри бөтен кисини көрип, "Ханның салық өндириўшиси шығар" деп уйғарды өзинше ҳәм барлық ойлары умытылды. Қонақлар менен суўықлаў аманлық-есенлик сорасылды. Ол үйде не таярланып атырғанын билиў ушын тез шығып ылашыққа кирип еди, анасы әлле қашан-ақ бир қойды сойдырып қазанға салдырып атыр екен. Нурлыбек от жағып отыр еди, Гүлзийбаға жибергиси келип турды да, бирден әлле қандай қызғаныш бойын қурсап, үндеместен қайта ишкериледи.
- Асқар аға, Кенесарының елшилери қайда?
- Қайтты.
- Ислери питти ме?
- Питти, бирақ хан олардың көп нәрсесин бизлерден ғәрезли қылып қайтарды.
Ерназар мыйығынан күлди.
- Шеп емес.
Асқар бий бийтаныс хийўалыны бас ўәзирдиң шабарманы деп таныстырды. Ол ҳақыйқат шабарманларға тән кем гәпли екен. Ханнан пәрмансыз аға бийдиң алдында ханнан бийлик пәрманы бар ғарры бийдиң өзин баладай тутыўын жақтырмаса да, пәрўайы пәнсерилик кейип тутып, жамбаслап чай ишип атыр.
Дәстүр бойынша тамақ желинип болған соң, я үйден узатып баратырғанда қонақтан жол болсын соралады.
Ҳәр қыйлы бағытта майда-шүйде әңгимелер даўам ете берди. Ақыры, Асқар бий шыдамады.
- Ерназар иним, - деди ол тамақтан кейин. - Елге жәрия қылынбаған бир тапсырма бар. Тәнҳа хан тапсырмасы. Алдын ала сениң менен ойласыўға келдим.
- Үлкен басыңызды киширейтип келгениңиз ушын миннетдарман, бий аға.
- Кенесарының елшилерине жәрдем бериў, бизлердиң зиммамызға түсип еди, соңынан Хийўа ханына қарсы орыс патшалығы шабыўыл қылады деген хабар алыныпты. Әне, сол орыс шабылыўына қарсы қарақалпақ ләшкерин топлап өзиң басқарыўың керек. Ләшкерим болмас деп ҳаўлықпа, "аға бий"де бас қосқан жигитлериң ереди, ермегенине жәрдем етемиз.
Ерназар бираз ойланып, хийўалы шабарманға көз астынан нәзер таслады. Оның бул гәплерге сирә қатнасы жоқ секилли, узақ жол жүрип шаршағаны ушын көзлерин перделеп, пышықтай уйқылап отыр.
- Асқар аға, бул сизиң ўәдеңиз бе ямаса ханның тапсырмасы ма?
- Ханның тапсырмасы.
- Еки дигирман тасының арасына түскен дән ун болмай қалмайды ғой, бий аға. Биз болсақ тири халықпыз.
- Ҳәр қыйлы қылып жорый бериўдиң кереги жоқ, иним.
Мезбан хийўалыға және бир урланыңқырап нәзер салды. Оның баз-баяғысы.
- Асқар аға, елимизде қанша ашлық, әптадалық, ырасын айтқанда, заманға, ханға көп-көп наразылық бар. Биз орысларға қарсы урысқанда сол ашлықты, сол әптадалықты, заманға, ханға сол наразылықларды қорғап қалыўымыз керек пе?
@BaxitliSaribaev
29. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

28 Dec, 05:55


Жақсы тилеклер илҳамландырады!
Жаңа жылға үлкен саўға

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

28 Dec, 02:55


Қарақалпақстан телеканалында "Мен басқан излер" көрсетиўин 28-декабрь күни тамаша етиң.

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

28 Dec, 02:19


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Әкең өлгенде анаң сени үйине таслап, улы Теңелди көтерип келип еди. Сениң атың Гүлзийба ғой-ә?
- Аўа. Оны қайдан билесең?
- Неге билмейин? Сен шынжырма-шынжыр киятырған атқосшылар әўладысаң.
- Сонда неге үкемди "аға бий"ге қоспайсыз?
- Үкең еле жас. Гүлзийба, шыныңды айт, неге өлмекши болдың?
Қыздың жүзи бурыштай қызарып барып, бирден көзлерин жумды:
- Тап шынымды айтайын ба?
- Аўа.
- Ондайды айтамекен?
- Айта бер, мен тисимнен шығырмайман.
- Онда көйлегимди бер.
- Шыныңды айтсаң беремен.
- Билесең бе, мен ашықпан.
- Кимге?
- Айтпайман!
- Ашығыңа қосыла аласаң ба?
- Палкерге пал аштырдым. Әдеўир машақат шегесең, арада жақпас биреў өледи, соннан соң қосыласаң, деди.
- Палға исенсең, неге суўға кетип өлгиң келди? Адам бул дүньяға өлиў ушын келмейди ғой.
- Ерназар аға, неге өйдедиң? Адам өлиў ушын туўылады ғой.
Ерназар сөзден утылса да, қыздың сулыў келбетине тойынбай қарап, талшыбықтай қара бурымларын алақанына салып сыйпалады.
- Гүлзийба-аў, өлими менен киси ҳеш кимнен өш алмайды ғой.
- Ашықлық-әм кисиниң душпаны, дейди. Мен сол душпанымнан өлип-ақ қутылайын дедим.
Ерназар селк-селк күлди, қызда әлле қандай кейип пайда етип, өшестириў мақсетинде оның балалығына күлди.
- Ерназар аға, келиншегиң менен сүйип қосылдың ба ямаса ол сүйди ме? Ашықлық деген қандай болады?
Қыздың батыл сораўы ҳайран қалдырса да, ол жуўап бериўге тартылды. Себеби, устағанлы жуўабы жоқ еди. Келиншегин өзи сүйгенин, я ол сүйгенин билмейди, бирақ дурысын айтқанды мақул тапты.
- Онда жас едим, анам үйлен деди, үйлендим.
- Мениң инимнен басқа ҳеш кимим жоқ.
- Билемен.
Қыз көйлегине қолын созып атыр еди, еңсесине жабылған атжабыў жылысып кетип, сулыў денеси және жалтырады. Ерназар енди өзин туталмады...
Олар ымырт жабылған соң ғана атқа мингесип қайтты. Қыз ерге отырар гезде ғана әлле нәрсени бир аўырсынып еди, қайтып дыбыс шығармады. Ерназардың да тили байланғандай, үнсиз, бирақ екеўиниң де демлери лаплап, айналаны от алдырып жибергендей, жүрек соғыслары әри жийи, әри қатты. Сонда да бир-бирине ҳештеңе деспеди. Қыз ылашығына жақынлаған соң атты тоқтатыўын өтинди де, рахметтиң орнына Ерназардың тикенеклескен мурт басқан ыссы ернинен шорп еттирип бир сүйди де, ерден жылысып түсти.
Ылашығының алдында үкеси Теңел күтип тур екен.
- Әжеапа! - деди Теңелдиң даўысына қуўаныш араласа толқынланып. - Бүйтип кешикпейтуғын едиң ғой?
- Қорқтың ба?
- Еки бузаў өристен қайтқан сыйырларға қашып аналарын емип қойды. Ийелери маған бақырды.
Көкиреги қуўанышлы қыз үкесиниң өсик шашлы басынан сыйпалады.
- Саған азап бергенлерди еле Ерназар аға бийге айтамыз. Ол жазалайды.
- Әжеапа, еситтиң бе, Ерназар аға бий Сайыпназар бийдиң адамлар менен қол алысқанында қолының орнына аяғын усынатуғын әдетин билип, урыпты. Шәрип молланы да урыпты, бүгин падашылар айтысты.
- Еситтим, жаным. Ерназар аға бий күтә-күтә жақсы адам, билесең бе, ол сондай күшли, сондай ақыллы, бул әлемде ондай ақыллы, күшли адам жоқ. Теңел, бизлер аты әпсана Маман бийге атқосшы болған адамның әўладымыз. Бабаларымыз шынжырма-шынжыр атқосшы. Сен-әм Ерназар аға бийге атқосшы боласаң.
- Мени атқосшылыққа алса-дә?
- Алады.
- Бийдиң атқосшылығына көп-көп ақыл керек, дейди ғой.
- Өзим үйретемен саған. Бирақ, сен дым-дым күшли, шыдамлы болыўың керек.
- Қәйтип дым-дым күшли, дым-дым шыдамлы боламан?
- Мениң айтқанымды қылсаң, боласаң.
- Айтқаныңнан шықпайман, әжеапа.
- Билесең бе, өмир деген не? Өмир деген биреўдиң биреўге ышқысы. Ышқы деген не? Ол адамға сулыўлықты, гөззаллықты ашып қоймай, адамды мисли өзгертетуғын нәрсе.
Ол Теңелдиң аўзы ашылып түсинбей отырғанын енди ғана сезип, қысынғанынан және оны қушақлап маңлайынан, ҳәр бетиниң алмасынан, қулақларына шекем сүйип-сүйип алды. - Бул саған ҳәзир керек гәп емес, ойнап айтып атырман. Билип қой, көп киси жақсы көретуғын ийт болғаннан, ҳәмме айбынатуғын арыслан артығырақ, және есте тут, қорқақ нени жоғалтса, ол батыр да болады.
- Бул гәплериңниң мәнисин көбирек түсиндирсе, әжеапа.
- Аш болған шығарсаң, баўырым, ҳәзир отын әкел, қазанды атландырып жиберип айтайын.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
28. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

27 Dec, 07:08


Jaslar tv telekanalı. "Dasturqan" kórsetiwi, "Bir sóz"rubrikasınıń náwbe...
https://youtube.com/watch?v=OlmBGEEJ_Ws&si=MU7asrA6rTTjX9ON

Baxıtlı SARÍBAEV

27 Dec, 02:23


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Әлленемирде "жетим қыз" намасына шыңқобыз шертти. Және бир гезде ыңылдап қосық айтты.
Шарқ ийирип шалалмадым, жеңгежан,
Оң ийнимди алалмадым, жеңгежан.
Анаў сүйген палўанымның отаўы,
Жүрексинип бара алмадым, жеңгежан!...
Даўыс оғада нәзик, жағымлы. Ерназарға қосылып пүткил әлем таңланғандай, айнала жым-жырт, шарқылдасқан тоғай шымшықларының үни өшти, жағаға шырпылдасып урып турған дәрья толқыны бирден семди. Бир жерде тоқтаса жер тепсинип, суўлығын ғашыр-ғашыр шайнайтуғын Ерназардың яўмытысы да қайшы қулағын тикирейтип, шекшийип қалды.
Қыздың:
- Хош, жалғыз ермегим, шыңқобызым, - дегени сол, суўға бир нәрсе шомп етти.
Ерназар "Бийшара қыз шыңқобызын неге таслап атыр екен?" деди де, әлле қандай түсиниксиз сырды сырттан бақлағысы келип, қамыс арасынан сығалады, бирақ ҳештеңе көрмеди.
Қыз және зарланды... Гәплерине қарағанда ол жетим, өзинен үлкен ҳәм атақлы жигитти сүйген, сүйген жигити оны түсинбейди, хабар алмайды. Соған аҳ шегип, бул дүньяға нашар қылып жаратқан қудайға налыс қылып жылады, ашықларға ҳүрмет жоқлығына, дүньяда бир-биреўге мүриўбет кемлигине, биреўди биреў түсинбейтуғынына күйинди. Және де даўысын күшейтиңкиреп биреўлерди мудамы жарлы, жетим, екиншилерди мудамы бай етип, биреўлерге күлки, екиншилерге көз жас берип қойған қудайды аямай ғарғады, өз сөзлеринен өзи қорққандай бирден дүнья менен хошласты:
- Хош, дүнья, хош, қуяш! Хош, гүзги жапырақлар, мен де сизлер усап солыйман! Хош, мениң шашларымды желпиген самал, хош, палўан!
Ол усыларды айтыўы мәттал, суў бирден шамбыр етти...
Ерназар ҳаўлыққанынан атын қамшылап жиберип шамбырлаған жерге келсе, бир қыз қоллары зорға көринип суўға шүмип баратыр. Ол ойланып турмай ат үстинен өзин суўға атты да, қызды тутып бир қолына көтериўи менен бир қыялап жүзип жағаға шығарды.
Суў әлле қашан суўыған еди, қыз жағада тислерин тислерине урып қалшылдап жатты.
Ерназар жас қыздың аязлап кеселге шатылыўынан қорқып, оны ес-түссиз деген пәм менен суў-суў көйлегин шешип еди, өмиринше жалаңаш нашарға нәзери түспегендей өз үстиниң суўы сорғалаған күйинде ағаш болып сәррийди. Қыздың аппақ порықтай сулыў денесине төңкерилген жуп кеседей қос мәммеси, уят бийлеп қымсырылған қоллары астына сыймай, ушлары пискен жигилдик жийдедей қызарып суп-сулыў болып атыр. Бул гөззаллыққа Ерназардың тула бедени қызып, оны сүйип-сүйип алғысы келди, бирақ неликтен де күшли бир сезим ҳәм бийҳал жатырған қызға аяныш оны иркти.
Рабийбиниң жонылған таяқтай ақ балтырларына үйренген үлкен көзлер, бул қыздың сийреклеў жүн басқан толық ақ балтырларына үйренген үлкен көзлер, бул қыздың сийреклеў жүн басқан толық ақ балтырларын көргенде, ҳеш қашан ойламаған бир гөззаллыққа қосымша айрықша ғайбар күш, ҳақыйқый қыз тулғасын сезип, еркин жойытты да, төмен шөгип қыздың балтырларын жүдә әстен сыйпалады. Оған да қәнәәт етпей бирден аўзын басты да аймалап сүйип, бойын қыздырды. Қыз үсти-үстине оғыды да, ҳештеңе қуспай-ақ көзлерин ашты.
- Ўай, не қылып атырсаң? Көйлегим қайда?
- Сулыў екенсең!
Ерназар басқа дәлил таппай, атының жабыўын сыйырып алды да, қызды соған орап, өз кийимлерин қайта сығып кийди. Атжабыў арасынан қыздың отлы қара көзлери жылтылдап, өмир ушқыны урқанлап жатырыпты.
- Аға бий, мени неге қутқардың? - деди ол бир гезде.
Ерназар жуўап орнына жалаңаш атына секирип минип, демниң арасында әлле қайдан тезекке тутатып қоз әкелди де, айналасынан қуў жыңғыл терип от жақты. Қыздың кийимлерин отқа өзи кептирди, бирақ қайтып бермеди. Қыз сорамай атжабыў арасында отқа абынып, майда бурымларын тарқатып кептириңкиреп, қайта өрип отырып бағанағы сораўын қайталады.
- Аға бий, мени неге қутқардың?
- Суўға қайтып таслаўың қыйын емес, - деди Ерназар мыйығынан күлип.
Қыз оған жуўап ушын мыйық тартқанда, булт астынан ай шығып әлем жақтыланғандай болды.
- Кимниң қызысаң?
- Әкемниң аты Доспан болған.
Қыздың даўыс толқыны ҳәм ҳақыйқатлығын, ҳәм ҳәсиретлилигин билдирип тур, бирақ сыртқы көриниси қуўанышлы сыяқлы.
Ерназарды әлле қандай қыял бийлеп, даўысы қалтыраңқырады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
27. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

26 Dec, 10:30


🐍 Киятырған 2025-жыл — Жылан мүшели жылы

1941, 1953, 1965, 1977, 1989, 2001, 2013-жылда туўылған инсанлардың жылы кирип келмекте.

👉 @Karakalpak24

Baxıtlı SARÍBAEV

26 Dec, 08:39


Кемпир апамды еслеп

Үлкен үйге аўыр мүсийбет түсип,
Көшкен журтқа мегзеп қалды қаңырап.
Жанымды тоңдырар самаллар есип,
Таңларым да атпай қойды жадырап.

Өмиримде орныңыз бар бир бөлек,
Баўыр бастым танығалы есимди.
Базда сиз енсеңиз елжирер жүрек,
Шыға алмай тәсиринен түсимниң.

Сағыныштың жүгин көтериў мүшкил,
Ҳәмдам болып кимлер көтерер бирге?
Ийинлесер жанды аңсайды кеўил,
Билинеди жоқлығыңыз өмирде.

Ҳәммени сағына бермейди инсан,
Сағыныўға арзыр жанлар болады.
Сағыныш жақынлық тымсалы уқсам,
Сиз кетип түсинип жеттим соларды.

Ара-тура келгенимде қыдырып,
"Айналайын" деп қарсылар едиңиз.
Шынында да, ўақыт екен жылдырым,
Гүрсинемиз еске алып енди биз.

Таң сәҳәрден сыйыр саўып, нан жаўып,
Жүргениңиз кетпейди көз алдымнан.
Меҳирли орталық бағышлап заўық,
Берекетли үйге кеўлим талпынған.

Ақшамлары сөзлериңиз елитип,
Жаныңызда кетер едим уйқыға.
Жағымлы ҳаўазды жатсам еситип,
Кеўилим хош болған татлы туйғыдан.

Жақсы күнлеримди көргиңиз келип,
Сүйсиндиңиз бойымды ҳәр көргенде.
Бир жасап қалғансыз етсем еркелик,
Балалыққа қайтқым келер бир демге.

Бүгин жән-жағыма аўдарсам дыққат,
Сиздей баўырманлар өмирде сийрек.
Жақын көргенлерим болып кетти жат,
Аямас адымды атпасам серлеп.

Қарасам сиз услап тутқан буйымға,
Сезилер мийримли көзиңиз бардай.
Қыялымда қайтардайсыз жыйыннан,
Еслетер пал демди қәдирдан дәргай.

Руўхландым басымнан қойсаңыз сыйпап,
Қабарған қолыңыз не деген жумсақ.
Жүрек отаўымда ардақлап, сыйлап,
Ыссы меҳриңизди жасайман аңсап!

26-декабрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

26 Dec, 02:52


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

26 Dec, 02:02


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Жарлылардың бәри ақылсыз бола бермейди.
"Сырттан қарағанда әпиўайы көрингенлерде де қанша-қанша терең сырлар жатады. Ҳәр бир адам өз алдына сан мың сырлы бир дүнья деп ким айтқан еди. Не деген дурыс даналық?... Әттең, буларды қатарға қосып ақылынан пайдаланыў еле қыйын. Ағабийшилер наразылық билдиреди..."
Аўылдан алыслаған сайын ҳәр қыйлы көринислерге тап бола берди. Олай-булай жетелескен жетимлер, қайыр сораған соқырлар, кемпирлер, ғаррылар... Күнде көрип жүрсе де ҳеш елестирмес еди, усы сапары олар оғыры көбейип кеткен секилли. Бир топ жетимниң арасынан күтә арық, жуқа жүзли, биреўи бөлинип келди де, оның алдын кеселеп, таяқтай узын қолын созып, тарамысланған алақанын жайды.
Ерназар бийпарық өтип кете алмай, қалталарын тинтинип-тинтинип ҳештеңе таба алмады.
- Палўан аға, қалтасында қара тийини жоқ киси атқа мине ме?
Бул озбыр минезли балаға Ерназардың аң-таңы шықты.
- Атың ким?
- Кимге ҳештеңе бермей кеткениңизди еслегиңиз келсе, умытпаң, атым Қәллибек.
Ол үнсиз жүрип арманырақ барған соң артына бурылып еди, Қәллибекке дәпинип турған дуғыжым денели биреўди көрип, атын изине бурды:
- Ҳәй, Қәллибекти урмақшымысаң? Кет ары!
- Ерназар аға, - деди Қәллибек. - Бул Муҳаммедкәримниң дийқаны Бектөре аға ғой. Урмайды, тек сизге қарсы сөйлегеним ушын кейип атыр.
Бектөре бойшаңнан келген қара муртлары бар, Ерназар қатарлы жигит еди.
- Бектөре, - деди Ерназар. - Сен туўралы көп еситемен. Қәне, маған айт, қандай даналықлар билесең?
- Ҳеш.
- Даналық деген не?
- Даналық деген қарынның тоқлығы.
Ерназарға Бектөрениң жуўабы онша унамай дым үндемеўи менен жөнине кетти. Былайырақ шығып әўелги ойларына және оралды. Барлық көринислер жүрек-баўырына пышақ суғып, буўынларын қыйқалап баратырғандай, тула бедени зар қақсап иркилди. Ат үстинен бурылып аўыл тәрепине қайта нәзер таслады. Бирден көзге тасланғаны және сол қоқтасынлы отаўлардың алдында қол жайып турғанлар... Жүреги және силикти. "Бул дийўаналық қашан ада болар екен? Бул әптадалыққа ким айыплы?"
Усы сораўлар үстинде әдеўир-ақ бас қатырды. Теңизди жағалап жүрип те сол жөнинде ойлады: "Бабаларымыздан әлле ким "биз жарлылығымызды, ашлығымызды, әззилигимизди жасырып үйренгенбиз..." деп дурыс дурыс айтқан. Базда бизди ҳеш ким аш демесин, деп бар тапқанды қазанға салып қонақ күтемиз... Ашлығымызға усы себепкер ме?... Хийўа ханы себепкер! Айдос баба сол ушын да оған қарсы урыс баслаған. Егер хан өзимизден болса өз халқымызды бүйтип қоярмедик?
Сарайдың ғәзийнеханасын аш-әптадаларға қашшан-ақ бөлип берер едик. Жооқ, Ерназар, хан халықтан жыйнамаса, сарайдың ғәзийнеханасы қайдан толады?
Ол бул сораўларға жуўап табалмай дәрьяның теңизге қуйып атырған жерин тамаша қылып бираз турды. Аты әпсана Маман бийдиң тап усы көриниске қарап айтқанларын анасынан еситкенин еслеп гүбирленди... "Мине, дәрья ҳәм байлық, ҳәм қоқым ысырып әкелип теңизге қуйып атыр. Теңиз таңламайды, не болса да баўырына тартып, бойына үнсиз ғана сиңдирип тур. Теңиздиң усы ҳалын өз халқының тәғдирине теңгерген Маман бий не деген көреген, не деген ақыллы! Ырастан да солай, халқымыз мисли теңиз. Заман басына не салса, соған қайыл, жоқарыдан ашшы ағып келсе де, душшы ағып келсе де қайыл... Пүткил әлем шайпалысқа түсип турғанда усылай бола берер ме екен? Ўах-эй, Грушин менен пүткил дүнья әламаты жөнинде сөйлесиў керек еди. Жер астында не барын излеген алым, не ушын жер үстинде не болатуғынын билмейди?...
Биледи!..."
Атының басын Қаратаў таманға бурды: "Грушин ханға есап бериўге кеткен болса итимал".
Ол усы ойлары менен зәңгилигин қысыңқырап, атын алға айдап баратыр еди, тосыннан қамыслық арасында даўыс еситилгендей болды. Гилт тоқтады. Тым-тырыс. Және жүрди. Және сол даўыс еситилди. Әлле ким жылаған секилли, жоқ, муңлылаў қосық айтып атырған секилли. Атын қылт еттирмей және қулақ түрди. Қыз даўысы. Сыңсығанға усайды. Қай таманда? Самал өрден айдап келип турған даўыс па я жанында-ақ болып, самал өрлетпей турған даўыс па?... Гүбирленеди, оғада түсиниксиз гүбирленеди. Қай тәрептен шыққанын билмей биразға шекем сарсаңы шықты.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
26. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

25 Dec, 02:09


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

25 Dec, 02:01


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Баласы, ақлығы өлип, шаўлығы Мухаммедкәрим менен турады. Мухаммедкәрим Ерназар менен қатар, "аға бий"ге қосылған палўан жигитлерден.
Ерназар атын солай қарай бурды. Мухаммедкәрим үйинде жоқ екен.
Сақал-шашы қуў пәриндей ақ, бели ғарры тораңғылдай бүкирейген Әбдикәрим жүнсақал еле қуўнақ еди. Өсик қасларын қолы менен көтерип Ерназарды таныды да, тәндар ғана сәлемлести, жол болсын сорады. Ерназар көп иркилгиси келмесе де, аз ғана отырыўға мәжбүр болды. Сөйтип, алысырақтан гәп қозғап, аты әпсана Маман дәўиринен әңгимелер еситиўге келгенин айтты. Ғарры уйпаласқан жүнли арық шекесине қолын басып, бираз ойланды да үн қатты.
- Мен ондайға ҳеш ўақытта қулақ асқан емеспен. Ел көшти - көштим, қонды - қондым. Шаўлығыма да мениң жолымды тут десем қылмай, "аға бий"ге қосылды. Мениңше, басқаларды ойлаўдың, кисиниң тәғдирине араласыўдың кереги жоқ. Бәри саўлыққа зыян. Адам узақ жасаўы тийис.
Ерназар оған "өзиникинен басқа тесик билмейтуғын гөртышқан болып узақ өмир сүриўдиң не кереги бар?" дейжақ бола жазлап, өзин әрең иркти де, ғарры менен тез хошласып атланды.
Оның кеўли теңиздей толқынланып, бурқасынлап баратырып, аўыл шетинде Мамыт бийдиң ат үстинде сөгинип атырғанын еситип, оның атының аяқларын қушақлап жатырған жарлы аўылласы Ғарғабай менен ҳаялын танып, қайрылды да, Мамыттың қолынан атының жылаўын күш пенен жулып үнсиз жетелеў менен былайырақ шығарып тоқтады.
- Бундай бийшараларды және азаплап, қорлағаныңды көрсем, аямай мойныңды үземен.
Әлжуўаз Мамыт бий оның қара күшине төтепки бере алмайтуғынын билсе де бос қалмады.
- Ким салығын төлемесе, ким өндириўге қарсы болса, Хийўа ханы соның мойнын ғана үздиреди.
- Байлар менен барлардан жыйна, өзиңнен ал.
Мамыт қарсыласа алмай, тек басын шайқаў менен қалды.
Ол сол жедели менен қаттырақ ат айдап тоғайға енисе берген гезде, және бир көриниске тап болып, мыйық тартты: Сержан байдың хызметкери Рузмет ешек үстинде бир арқа отынды арқасына тырмышлап таңып, қосық айтып киятыр.
- Ерназар аға, ассаламу әлейкум, - деди ол алысырақтан даўыслап. - Күлмеңиз, бул байға жағады. Өткен сапары Мәўлен сарының сәўселим иниси Рүстем екеўимиз отынға барып едик. Рүстем тап усы мендей болып келгени ушын оны ақыллы деп мақтады. Ешекке бастыра отын артып изинен пияда келгеним ушын мени ақылсыз деди. Енди байдан мақтаў сөз еситиў ушын сәўселимниң қылығын етип киятырман.
Ерназар зәҳәрли мырс етти.
- Аға, сизден бир өтинишим бар еди, айтайын. Басыңызға мәртебе қараса, мени атқосшылыққа алыңыз-ә?
Рузметти сәўселим деген ой Ерназарға енди келип, күлкисин әрең басып сөйледи:
- Атқосшылық қара дийқан болыўдан, отыншы болыўдан қыйынлығын билмейсең бе?
- Аға, мен ақмақлар менен тамақ жегеннен ақыллының тас арқалатқанын артығырақ көремен.
Турпаты келискен бул жигиттиң гәпи Ерназарды енди ойланыўға мәжбүрлеп, бетине тигиле қарады.
- Сендей ойлайтуғын, сырласатуғын досларың көп пе?
- Көп. Атқа минерлерде дос аз болса керек?
- Ким айтты?
- Өзим. Бектөре деген жорам да усылай дейди.
- Ақылы бар жигит көринесең.
- Аға, мен сиз бенен жүзбе-жүз сөйлесип көрмегенмен. Бирақ, ел арасында тараған гәп-сөзден даналығыңызды билемен. Мениң күшимди де, ақылымды да дурыс пайдаланатуғын адам керек.
- Ақыллының ақыллыман деўи шәрт пе?
- Терең суўға батып баратырғанның ҳалы барында даўыс бериўи шәрт ғой, аға.
Ерназардың тыңлаўға қызықсынғанын билип Рузмет кеўлин ашты:
- Аға, "аға бий"де Бала Ерназар дегенди қатарға қосыпсыз деп еситтим. Ол Сайыпназар бий менен келип бизиң хожамыздикинде түсленди. Отжаққышы болдым. Бала Ерназар тек бийдиң баласы демесең, еле қам түйнек. Бирақ, Сайыпназар бий муртын таўлап писирип, ертеңги күни оған сени мен писирдим деп айтыў ушын жүр ме деп шамаладым. Сиз сол күни "аға бий"де Сайыпназар бийди сабатыпсыз, егер көрсем сизге усыларды айтайын деп-әм жүр едим, жақсы болды жолыққанымыз.
- Сондағы мақсетиң, мени қорғаў ма?
- Қорғаў мениң қолымнан келмейди, аға. Бирақ, әкеси соқырлардың бәри Гөруғлы бола бермейди, анасы тамбасында туўғанлардың бәри журттан бийик бола бермейди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
25. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

24 Dec, 02:30


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

24 Dec, 02:15


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Биринши жолдасы - досты, екиншиси - душпаны, үшиншиси - тамашагөйи. Баслаған исиңниң қай дәрежеде алға илгерилеўи я кери кетиўи қайсы жолдасыңның көплигинен ғәрезли. Бирақ, мениң саған бурында да айтқан бир тапсырмам ҳеш қашан өзгермейди. Аты әпсана Маман бийдиң, бийбабаның жығылған туўын қайта тиклеў сениң мойныңда.
Ерназар ақшамғы ахбаратшы Генжемураттың хабарларын еслеп, анасына үлкен көзлерин сүзип телмирди.
- Апа, жән-жақтан еситкенлериме қарағанда бир биз емес, пүткил әлем шайқалыс таўып, ханларға, ел ҳүкимдарларына қарсы көтерилислер көбейген.
- Адамның еситкени билгени емес, билгени көргени емес, не нәрсениң бир тәрепин көргени ел толық көргени емес, улым.
- Олай болса, орыс елатын аралап қайтсамбекен?
- Аты әпсана Маман бий әўеле өз елиниң ойлы-бәлентин билип, оннан соң басқа елатларға барған.
- Түсиндим, апа.
Ана әстен түргелип кетти.
Ерназардың бойы бираз жеңил тартқан секилленип, дастыққа бас қойғаны, далада әлле нәрсеге сөйлеген келиншегиниң даўысын еситип және шоршып түсти. Түни менен де уйқылай алмады. Халқы ушын жақсы-жаман әрманлары түўе, Грушин менен ушырасқанда пайда болған көтериңки ойларын, "аға бий"деги озбырлығының изи неге әкелетуғынын, ҳәтте, өз келешегин умытты. Мийиниң иши ғуўылдап үйленгели бери келиншеги менен арасында қандай сәтсизликлер болса, бәрин көз алдына келтире берди, келтире берди. Бирақ Рабийбини бузықлық қылады дегенге кеўли сирә ярый бермеди. Ақыры, көзлери илинди.
Биринши қораздың даўысына оянып көзин ашты да, ылашықта анасы менен сөйлесип атырған Шоңқының даўысын таныды.
- Моллаға сен неге аз-азлап қарақалпақша қосып оқытпайсаң, ең болмаса намаздың басын "жүзим қублаға, қуллығым қудаға десе болмай ма" деди. Ол ашыўланды. Соннан соң Ерназар аға қызып урды...
Әңгиме Шәрип молла ҳаққында баратырғаны ушын пәрўайы пәнсери болып кийинип, далаға шығып еди, ылашықтың шийи арасынан үлкен үйдеги Ерназардың қыймылын бақлап отырған Шоңқы жуўырып шығып, сәлем берди.
- Ҳа, Шоңқы, аманлық па? - деди Ерназар ериниңкиреп.
- Жаңа Фазылға жолықтым. Ол сени аяп, Сайыпназар бий менен Шәрип молла түнде "аға бий"ден шыға сала Хийўаға кеткенин айтты. Ханға барып арзы етпекши қусайды.
- Не қылыў керек?
Шоңқы Ерназардың даўысынан жақтырмағанлығын аңласа да, мой бермеди.
- Ағайин қолдаўлы болған соң алдын алыўға келгеним.
- Бул ўаққа олар Хийўаға жеткен шығар.
Шоңқы бийпарықлық кейип тутып, ийнин қысты. Иштен Қумар аналық шықты.
- Ҳәй, балам, молла усы ўақытқа шекем не оқытса сонысын оқыта бериў керек еди.
- Әлбетте, - деди Шоңқы. - Молланы пүткил ел дүзете алмағанда, сен дүзетесең бе? Ҳәзир аты қолдаўлы ханнан бәле келеди деп дирилдесип жүрипти.
Ана Шоңқының алдында ишки албырақлаўын билдиргиси келмеди.
- Ерназаржан, шай тайын я сүт ишесең бе? Шоңқы, сен де сүт ишип кете бер.
Шоңқының сүт ишиўге де аўзы босамай Шәрип молланы, Сайыпназарды, мыррық күни зыяпат берген деп, Мәўлен сарыны жаманлаў менен өз руўын мақтай берди. Мамыт бийди Ерназардың жақтырмайтуғынын умытқандай, өз руўласлары қатарында оның аты менен де мақтанды.
Ерназардың жығырданы қайнап Шоңқыны қуўып жибергиси келсе де, өзин зорға иркип, жуўап ғана буйырды:
- Болар, Шоңқы!
Шоңқы кетиўден анасы кирди.
- Балам, аға бий қызбаўы керек еди ғой.
- Мен еле адамларды жақсы билмесем керек.
- Билмегениңди билгениң-әм билгениң, балам. Енди үйде жата бермей, суў бойын жағалап кеўил көтерип қайт.
Қапалық басқан киси суў бойын жағаласа, асқынлаған киси әўлийешиликти араласа маўқы басылып өзине келеди.
Ерназар сәскеге таман далаға шығып, Гөне Үргениште байраққа алған яўмытысын минди.
Аўылдан шығып баратырғанда басына бир ой келди: "Мен ғой аты әпсана Маман бий ҳаққында оғада көп әңгимелер, әпсаналар еситтим, өзиниң өлгенине шама менен жетпис-сексен жылдан асқан жоқ. Не ушын усыншама елатта оны тәнҳа көргенлерден биреўи еле тири емес екен?" Ол ойланып, көп танысларын көз алдына келтирип турды да, пүткил қарақалпақ елатында жасы үлкен ғарры Әбдикәрим жүнсақал дегенди еследи. Ол ҳәзир бир жүз отызға шамаласқан.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
24. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

23 Dec, 02:07


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

23 Dec, 01:58


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Теңиз бойында жуўырып дым ғана шаршады. Сонда да үйге жеткенше, апа, арқала деген жоқ, шамасы, ғаррылығымды түсинеди.
- Әне, мениң Ақбөкем, - деди Рабийби отыз еки тиси көрингенше ыржыйып күлип (дәстүрде жас келиншеклер биринши баласының дурыс атын айталмай, өзлеринше ат қойып алады). - Қуда қәлесе, ендиги улымды буннан-әм мийзамкеш етип туўаман.
Оның бундай сөзлерине үйренген ана бир шекелеңкиреп:
- Келин, ылашыққа от жағып шай қайнат, жаным. Хожаназар, кишеңе жәрдемлес, - деди де олар шығып кеткен соң: - Ерназаржан, - деди айрықша кеўил тебиренислери менен. - Далаға шық, ҳаўызды көр.
Ол ертерек жыллары бир гүресте жығылғанына арланып келип үйинен шықпай жатып алғанында, анасы түргелип, үйиниң қапталынан жер қазыўды буйырған еди. Ана сүти ушын алақанына қуўырдақ қуўырып бериўге де қайыл болып тәрбияланған ғайратлы жигит, буйрықты тәрк етпей, еки ҳәпте тынбай жер қазды. Соң анасы оның қазған жерине суў жибергизди. Бир ҳаўыз пайда болды. Айналасына тереклер тигилди.
Ерназар дийқаншылықтан ҳәм гүрестен саўа гезлеринде аўылласлары менен теңизден балық услайтуғын еди, усы ҳаўыз оның жеўден аўысқан балықларын тири сақлайтуғын әжайып бир ыдысына айналды.
Ерназар анасының мирәтине түсинбей ерип келип ҳаўызға үңилсе, ҳаўыздың суўы кеўип, ултанында көп балық өлип атыр.
- Суўын ким байлаған? - деди Ерназар бул әлле кимниң душпанлығы екен деген ой менен.
- Мен! Серледиң бе, бунда анаў балықлардан бөтен мақлуқатлар жасайтуғын еди?
- Апа, қурбақалардан қутылайын дедиң бе?
- Қәне, суўының сағасын аш!
Ерназар ҳештеңеге ой жибермей, ҳаўызға қуятуғын кишкене салманың қулағын ашты. Ҳаўызға сылдырлап суў қуйылыўдан, жән-жақтан ҳәккелек атып ғарғылдасқан қурбақалар келе баслады, ал өли балықлардың төсликлери ақ қағаздай жалтырап суў бетине қалықты.
- Не уқтың?
- Менде қыял көп, апа.
- Сол мақтаныш па? Тек өлилер қыял сүрмейди.
- Түсиндим, апа, бир орынсыз буйрық ҳаўыздың балығын қырып ғарқылдасқан қурбақалар қашып қутылыпты. Суў қайта ағып келип еди, қурбақалар қайта келди, бийшара балықлар жоқ.
- Өмирде де сол! Бир орынсыз буйрық мөмин досларыңды қырады, қурбақадай ғарқылдасқанлар аман қалады. Өмириңе сабақ және бир нәсиятым бар, балам. Адамды үш нәрсе қор етеди: Бириншиси - өтирик сөйлеў, екиншиси - ғарлық, үшиншиси - ашкөзлик. Усылардан сақ бол. Ҳаялыңа да орынсыз кейиме.
Және түркий ахунның "түси" есине түсип, ишеклерине лаўлаған от өтип кеткендей болса да, бәрин ишке бүкти.
- Яқшы, апа!
- Енди жатып дем ал!
- Апа, билесең бе, Айдос баба халықты ертти ме ямаса халық оған ерди ме?
Ҳақыйқатлыққа, ақылға жол жоқ заманға қасақана әри палўан, әри ақыллы ул өсиргенин мақтаныш тутатуғын ана, оның шешиўи қыйын, жүдә терең мәнили сораў бергенине қуўанды:
- Ерназаржан, адам баласы өмиринде үш нәрсениң қәдирин жоғалтқан соң биледи: бириншиси - денсаўлығы, екиншиси - жаслығы, үшиншиси - ақыллы, дана басшысының қәдири. Бийбабаны адамлар елеберин түсинеди. Мениңше, бийбабаның жеңилиўине себеп бас пенен қолдың бирлиги болмады. Бирақ, сен бундай сораўды қайдан ойлап таптың?
- Ойлап тапқаным жоқ. Қаратаўда бир орыс алымы менен гезлестим. Мен оған Айдос баба көтерилиси ҳаққында айтқанымда, ол усындай сораў берди.
- Әкең орыс елатын көриўге дым ғана интизар еди, - деди ана орыс алымын бурыннан билетуғындай. - Мурадына жетпей дүньядан өтетуғынын билди ме, сени орысы бесикке салып, "Ҳоҳо, балама ата мийрас бесиги тарлық қылады екен" дегени бар еди, мәнисине енди түсиндим.
Бәрҳа көп билетуғын ананың бирден аз билетуғын болып көриниўи Ерназарды ҳайран қалдырып, гәпти бурды да "аға бий"де жүдә шаршағанын айтты.
- Билемен, - деди ана қаталырақ кейип тутып. - Жалғыз адам бейиште де жасай алмайды. Егер ҳәр "аға бий" бейиш болып өткенде, елге не пайда тийгизер еди?
Анасы қанша ашыўлы ҳәм жумбақлы сөйлесе, Ерназар сонша терең ойға шүмер еди, бул сапары онша бас қатырмады. Енди не қылыўы кереклигине мәсләҳәт сорады.
- Сениң ҳәр муқамға дөнетуғын қыялларыңа қолай мәсләҳәт болмайды, балам. Бир нәрсени есиңде тут. Тири адамның өмирлик үш жолдасы бар.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
23. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

22 Dec, 02:29


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

22 Dec, 02:16


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ҳалқастан соң бас ўәзир менен және ушырасып қайта мәсләҳәтлескенде де, басқа кеңесгөйлерди шақырып ойласқанда да, түркий ахунның хан алдында айтқанларын бийкарлайтуғын устағанлы пикирди ҳеш ким таппады.
Ахун бул мәсләҳәтине әлле кимниң өзгерис киргизиўинен қорқып, ханға қайтадан кириўди өтинсе де, бас ўәзир көнбеди. Себеби, ханның өзи белгиленген мүддетте бармасаң, писик ойды да шийкиге шығарып қайтарады.
Олар асықпай Кенесарының елшилерин узатып киятырып, еки атлыға жолықты. Бири Шәрип молла, екиншиси Сайыпназар бий еди. Екеўи де уйқыламаған, бетлери исик, атлары да болдырған. Бас ўәзир менен түркий ахунды көрип Шәрип молла жылап жиберди. Сайыпназар бас ўәзирге қайта-қайта бас ийиў менен жүдә исинип киятырғанын билдиреди.
- Елде "аға бий" деген бәле шықты, - деп Шәрип молла бирден егитилди. - Қасаң байталдай қуяңқы, бузық, жесир Қумардың ҳарамзадасы Ерназар қолдаўлы басшы болып, бәршениң мазасын алып атыр. Мени "аға бий" зыяпатына алдырып, "сен неге балаларды қарақалпақ тилинде оқытпайсаң, неге Хийўаның айтқанын қыласаң" деп көпшиликтиң алдында сөкти, азаплады, урды...
- О-ҳоо! - деди ахун масайрап.
- Сайыпназар, нәўбет саған!
Сайыпназар буўлығып сөйлей алмады. Ол ушын және Шәрип молла жымпылдады:
- Генжемурат мүйтенниң жаманлаўы менен Ерназар қолдаўлы буны да урғызды. Хийўаның сөзин сөйлеп жүрсең деп урғызды.
- О-ҳооо! Ханнан, бас ўәзирден бийруқсат-ә? - деди және ахун.
Бас ўәзирдиң жығырданы қайнады:
- Ҳәзиринше шарбақта дем ала турыңлар, соң сөйлесемиз.
- Уллы бас ўәзир, - деди ахун сарай дәрўазасынан кирер гезде. - Хан орысларға қарсы шабыўылға Ерназар қолдаўлы жигитлери менен барады деп пәрман берсин. Ол мойынтаўлық қылса, зинданға салынсын. Қай ўақытта да басқа бәле болатуғын сол. Бир бәне таўып оны аңсат өлтириўдиң жолын-әм қарастырыў керек.
- Яқшы.
4.
Ерназар қандай озбырлық ислесе де, изинен анасына айтып оннан мақуллаў алғанша кеўили жубаныш таппас еди. "Аға бий"де менмен Сайыпназарды, көп жыллардың молласы Шәрипти сабатқанын, уры Қасымның қулағын кестиргенин өзинше дурыс деп есапласа да, азанда анасының не дейтуғынына асықты.
Анасы ақлығы Хожаназарды, теңиз жағасында жуўыртып ойнатыўға алып кеткен екен. Әри түни менен уйқыдан қалған, әри ҳәр қыйлы ислердиң шырмаўығына оратылып, басы мең-зең болып келген ерин Рабийби аттан түсирсе де, "маған не базарлық әкелдиң?" деп, қоржын-қоланын, қалталарын қарастырды. Ерназар оған қарамай төсек салыўды буйырды да, жатты.
Рабийби оның аяқ ушына жақын бир дизерледи:
- Аўлағында бир ырасын айтшы, ағасы, мен сизиң үйге бахыт болып келдим ғой-ә? Мен келиўден сен "аға бий"ди баслап, ағабий болдың. Бахытлы келин етеги менен келеди дейди, әўели ул, изинен қыз туўып бердим.
- Ҳәр сапары бир нама шертиўге жалықпайсаң ба?
- Әўели сен мениң сораўларыма жуўап бер?
- Жақсы ҳаялы бар үй бейиш, сен бизиң үйди бейишке айналдырдың.
Рабийби марапатланып, өз-өзинен жаңаша наз қылып, қасларын керди, ийинлерин қыймылдатып еснеди. Ериниң бийпарўалығын көрип, оның жүнлес жиликлериниң үстине, таяқтай жиңишке аяқларын кеселеп қойып еркеледи.
- Ағасы, сен неге мени мақтамайсаң? Даналығы менен ханнан бийлик алған Мамытқа тиймей, саған тийдим ғой. Ол мени көрген жерде я иледи, я шийрин-шийрин сөзлер айтады. Бир жола сени "үйинде урысқақ қораз, басқа жерде қашақ мәкийен" деп атады.
Хийўада түркий ахунның түс жорығаны бирден есине түсип, ашыў менен аяғын көтерип жибергени Рабийби шалқасына жығылды.
- Өзиң айлап қыдырып жүресең, және ойын көтермейсең, урысқақ қораз!
- Жоғал антурған!
Ери анық қәҳәрленип есикти иштен илип таслап муш урса, иленәзик сүйеклери парра-парра болыўынан қорқып, Рабийби сыртқа қарай зып берди, маңлайшаға илдирилип қалған орамалына да қарамады. Есик көтерилген гезде үйге жақынлап келип қалған ана менен улын көрип, Ерназар тым-тырыс болды да төсегине бир жамбаслады. Қумар аналық улы ҳәм келин арасында не болып атырғанын анық сезсе де, ҳештеңе билмегенсип сөйлене кирди.
- Ерназаржан, Хожаназар тап айнымаған өзиң. Усының жасында сен де мийзамкеш едиң, бул да сондай.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
22. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

21 Dec, 02:20


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

21 Dec, 02:08


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Албырағанынан ханның аяқларына маңлайын тийгизди. - Уллы исламның жақты шырағы ханымыз, билесиз, ислам ушын төгилген қан қутлы қан, ислам ушын қыйылған жан ушпақы. Лекин, кәпирлер, әсиресе, орыслар алма бағына шыққан қыйсық тораңғыл болып турыпты, тамырынан қуртыў ушын жәрдемиңиз пүткил мусылманлардың ығбалы.
Ханның кейпи дүзелди.
- Қарақалпақ бийи, Сиз не айтасыз?
- Уллы ханымыз, - деди және ахун. - Қарақалпақлардың мәканы - Хорезм ханлығының орыс елатына шабар бас қашарман орны. Ҳа, солай. Бәлким, жәрдемге солар барар.
Хан нәзер аўдарғаннан-ақ тикейип турған Асқар бий қайта-қайта қуллық етти.
- Уллы ханымыз, мениң халқым, "душпаныма болысқан достым-әм душпаным" дейди. Сиз кимди душпаным десеңиз, биз оған дос емеспиз.
- Уллы ханымыз, қарақалпақ бийи айтсын, елиндеги "аға бий" ойынының мақсети не екен? - деди ахун.
Ахунның өзин күтә еркин тутқаны бас ўәзирге жағыңқырамады, себеби оны хан көбирек унатып қалса, бас ўәзирди атлап кетип ойласыққа шақыра бериўи мүмкин. Қәйткени менен, хан алдында оған тәшўиш бере алмады.
Асқар бий "аға бий"диң тийкарғы мақсетин жете түсинбей, жас жигитлердиң мәзи зыяпаты деп билетуғын еди. Олай деў, ҳәзир ханды исендирмейтуғын түри бар, билмеймен деў оны көзкөреки өтирикшиге айландырады. Не десе де жуўап бериўи тийис:
- "Аға бий"диң жигитлери елимиздиң қылышы, уллы ханымыз.
- Әне, сол қылышларыңыз бенен Кенесарыға жәрдем бересиз, - деди хан. - Махмуднияз, сиз өзимизден атланатуғын ләшкерди басқарасыз. Меҳманлар, хош болыңыз, ханыңызға бизден дуўайы сәлем айтып барыңыз.
Елшилер тикейди. Бас ўәзир, ахун хан қасында иркилди:
- Ҳә, не гәп?
- Уллы ханымыз, ахун сизге түс айтпақшы.
- Уллы ханымыз, түсимниң алдында бир гәпим бар. Сиз билесиз, ҳәр қандай қылыштың басы төмен қарап илдириледи. Жаңа қарақалпақ бийи айтқан қылышлардың-әм басын төмен қаратыўды ойлаў керек.
Хан оның кеңесин унатқанлық кейип билдирди, бирақ үндемеди. Түркий ахун "түсин" бас ўәзирге қалай айтып, не мәсләҳәт еткен болса, дәл соны қайталады.
- Уллы ханымыз, - деди Бас ўәзир. - Оренбургтан хабар билиўге жиберген адамымыз да ахунның түсине сәйкес хабар таўып келди. Сол ушын Хийўада орыслардың олай-булай жүриўине тыйым салдырыўға, Қаратаўдағы орыс Грушинди зинданға салыўға сизиң атыңыздан пәрман таярладым.
- Ол, ол... - Хан не қыларын билмей бираз отырғаннан кейин:
- Мейли, имзалайман, - деди. - Лекин бир шәрт пенен, егер ахунның түси келмесе ахунды, Оренбургтен жалған хабар таўып келгенди Грушинниң орнына зинданға салдыраман, бәлким, екеўин де дарға астыраман.
- Ҳәмириңизге қуллық, уллы ханымыз, - деди ахун қақпай.
Оның бул кейпи ханның оған деген исенимин және де арттырды:
- Кисиниң қорасын қорғаймыз деп, өз қорамызды қасқырға талатып алмайық. Асқар бий Кенесарыға жәрдемди тоқтатып, жигитлерин мында әкелсин.
- Уллы ханымыз, егер орыслардың күшинен қәўипсинсеңиз және бир мәсләҳәтим бар. Өткен жылы Персия шахы Гератқа басып киргени есиңизде. Бул, әлбетте, еки елди жаўластырған орыс патшалығының қуяңқылығы еди. Жаўласқан еки елди жарастырыў ушын инглислер ләшкер әкелген, сол инглис ләшкериниң басшысына муражат қылыңыз. Ара алыс десеңиз, Ҳиндстанға жиберсеңиз-әм болады, ол жерде де ҳақыйқатшыл инглис ләшкери бар.
Хан бас ўәзирине нәзер таслады:
- Ойланып үш күннен жуўабын бересиз.
- Уллы ханымыз, - деди ахун және. - Грушинниң өзинен бурын жазыў-сызыўын жоқ қылыў керек. Ол илим ушын емес, келеси шабыўыл ушын жол көрип, сызып жүрипти.
- Япырмай-ә?!
- Дәл солай!
* * *
Хан сарайынан шығыўдан түркий ахун инглислердиң "таўық пенен ғарға жарысса ҳәккениң күлкиси жер жаңғыртады" деген нақылын еслеп, даўысының барынша шақалақлап күлди де биреўдиң ҳәкке деўинен қорқып бирден тым-тырыс болды. Ол Хорезмге келгели бир кеше ғалма-ғалсыз, ойсыз уйқылап көрмеген еди, бүгин ләззет тапқаны соншелли, басы дастыққа тийиўден мисли өли болып уйқылағанынан, үйреншикли таң намазы пайытында ғана көзин ашты. Бурынғыдай аяқлары аўыр емес, мешитке журттан бурын келип, жәмәәтти баслап намаз оқыды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
21. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

20 Dec, 15:12


🔠🔠🔠 🔠🔠🔠 rubrikası miymanda Baxıtlı Sarıbaev
📺ONLINE JASLAR TV
🌐INSTAGRAM
TELEGRAM
📹YOU TUBE
🟦NUKUSFM100.4
🌐SAYT
FACEBOOK
🥳QUTLIQLAW

Baxıtlı SARÍBAEV

20 Dec, 02:24


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

20 Dec, 02:04


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ханның кең датханасында тахттан тысқары бас ўәзир менен бас мәсләҳәтгөйлер отыратуғын сыпа бөлек еди, ахунға сол сыпадан жай берилди.
Олардан соң бес адам киритилди. Үшеўиниң түри-түсинен, кийимлеринен Кенесары ханның елшилери екени сорамай-ақ белгили, оларға қосыла киргенлердиң төртиншиси бүркитлердиң арасында қырғыйдай, қырғыйлардың арасында шымшықтай көринген кишкене шоқ қара сақаллы адам қарақалпақ Асқар бий, бесиншиси мурны орақ тақлетте ийилген, ийилген, ийинли, айбатлы, мурты бар жигит Хийўа ханының киши әскербасыларынан бири Махмуднияз. Соңғы екеўи бөлинип, елшилер менен мәсләҳәтгөйлери жайласқан екен, сыпаның арасына, пәске төселген кишкене гилемге аманат ғана жайласты.
- Ҳо, ҳо! - деп таңланды түркий ахун елшилер менен сәлемлесип болыўдан. - Қазақлар-әм исламның садық күшиклери болған менен, орыслардың тәсиринде, жүрис-турысы, адамларға мүнәсибети өзгерди дейтуғын еди, ҳеш қандай бузылмаған, мен нағыз мусылманларды көрип отырман!
Батыл ҳәм ашық сөйлеп турған адамға Кенесары елшилери ырзашылық пенен басларын ийзеди. Бас ўәзир оларға түркий ахунды таныстырды ҳәм хан киргенше сөйлесип отырыўды кеңес етип, Махмуднияздан мийманларды қалай күтип атырғанын сорады.
- Жүдә ырзамыз, - деп жәрдем сораўға келген елшилердиң басшысы Махмуднияз ушын жуўап берди.
- Енди кәраматлы Хийўадан дәрамат алып кетсек, ханымыз Кенесары өзин жүдә бахытлы деп есаплайды.
- Сиз бенен биз түркий халықлармыз, - деди ахун әўелги пәтинен шаққанырақ болыўға тырысып. - Соннан келип сизлердиң орысларды ай билип бас ийгениңиз жарамайды, бәршемизде шубҳа туўдырады. Билесиз бе, биз сүйенген ислам мәңгилик қуяш. Қуяш барда айдың не кереги бар?
Кенесары елшилериниң басшысы түргелип ахунға ийди:
- Жүдә үлкен даналық айттыңыз. Биз саҳрайы болғанымыз ушын орыс төрелери бир гезде ай болып көрингени ырас. Басшыларымызда айға мүтәжлик туўғаны-әм ырас. Енди түсиндик, бизге қуяш керек.
Гәплери мақулланған сайын кеўли өсип, ҳәтте, бас ўәзирдиң барлығын умытқысы келетуғын ахун үлкен басын сәл қыймылдатып сөйледи.
- Қудай таала бейиш пенен дозақты шығарғанда, бейишин тек мусылманларға бағышлаған. Егер бир мусылман бир кәпирди мусылман қылса, оның нендей гүнасы болса-әм кешириледи деген қуранда.
"Қудай гилең кәпирди аямайтуғын болса, оларды неге жасатып қойыпты?" деген сораў бираздың қыялына келип турды, бирақ ҳеш қайсысы сораўға батынбады.
Асқар бий әңгимеге араласпағаны менен, сөйлегенлердиң гәплеринен исеним тутқасын көрген сыяқлы қоразланып отырыпты. Махмуднияз мийманларының орынлы жуўап қайтарғанына рийзалығын билдирип үлгермей-ақ, еки пащап төрги жайдың қапысын ашып, хан киятырғанын хабарлады. Ҳәмме өрре-өрре түргелип, қолларын қаўсырыўы менен, басларын хан тәрепке бурып тастан қуйылғандай қатты. Хан өз орнына шығып алақанларын бир-бирине урды, ҳәмме даўыл жыққан қамыстай жапырылып орынларына саққа-саққа жүгинисти.
Хан жым-жыртлықты көп созбады.
- Меҳманлар! - деп даўысына жүдә өзгеше пәт бериңкиреди. - Мен Сизлердиң келгениңизди еситкенимде, кеўлим шәндан болды. Лекин, илгери жыллары қазақ ханлары орыс төрелери менен ҳәмдам еди.
- Уллы ханымыз, - деп түркий ахун қапталдан гәп қосты. - Кәпир орыслар менен дослық, мисли муз үстине жазылған хат.
- Уллы Хорезм шахы, ахун оғада дурыс айтты, - деди елшилердиң басшысы.
Хан "Не дейсең?" дегендей бас ўәзирине қарады.
- Уллы ханымыз, сиз буларға бурын да жәрдем бергенсиз, енди де аянбассыз.
Бас елши үнсиз түргелип, ханның аяқларының ушына маңлайын тийгизип қайтадан орнына отырды.
- Ахун, сөйле, - деди хан.
- Уллы ханымыз, мусылманлар, - деп ахун қайта турып хан тахтына маңлайын тийгизип, Кенесарының елшилери таманға бетин бурды. - Бәрше мусылманлар бир қолдан шыққан бармақлармыз, бир түбирден өнген шыбықлармыз, бир бағда пискен алмамыз. Қазақ ели орыс төрелеринен жәбир көрген екен, аянбаў керек. Буны кәраматлы Каба, пүтин түркий қәўимлер, ҳәтте, инглислер күтә қоллап-қуўатлайды. - Оның инглислер деген сөзин ҳеш ким елестирмей қалса да, ахун өзи-өзинен шоршынып, мурнының ушы тершип сала берди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
20. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

19 Dec, 12:11


Сағыныў

Он сегиз бәҳәрим өтти қайларда?
Қыдыраман, сағынаман, ойларман,
Алыс әкетти ме бийреҳим ўақыт,
Дәрегин сорайын қайсы жайлардан?!

Артымда қалды ма ашықлық дәўран?
Тоқтаў билмес өмир аталмыш кәрўан,
Әлўидағ айтысып жол ортасында,
Кетти ме кеўилге сый етип әрман?!

Мен ушын қәдирли естелик қалды,
Жүрегимде қәстерленип сақланды,
Жетилип қалғанын изимдеги жас,
Жаңа көклем келгенинде бақладым.

Ядымда сырласыў, дәслепки поса,
Қәне, сондағыдай және жас болсам!
Есигимди қағып туңғыш муҳаббат,
Бахыт қусым болып басыма қонса!

Жанымда бир өмир қалыўы ушын,
Сарпланар тасқын ғайратым, күшим,
Кеўил қойғанымды бахытлы етип,
Жасар едим сүйип, аймалап, қушып.

Он сегиз бәҳәрин умытпас инсан,
Кеўилге бир өмир бағышлар илҳам,
Еске алдым көп қатары сағынып,
Тағы оралыўға әттең, жоқ имкан...

Бахытлы Сарыбаев
Декабр, 2024
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

19 Dec, 02:12


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

19 Dec, 02:03


Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Күтилмегенде оның Ерназарға жолығып, бир уўытын таўып оны мат етсем деген мақсети иске асқанына қуўанып, кеўилли түрде сарайға келсе, бас ўәзир арман-берман гезип жүр екен. Изинен күшиктей ерип, бир аўыз хабарласыўға руқсат сорады.
Ол еле бас ўәзир ушын шешилиўи тийис болған жумбақ еди. Сонда да сөйлесикке өзи шақырмай, оның усылайтиўин күтип жүр еди. Бирден тоқтап, тикке бетине тигилди де, сақал пардозлаўына қарап, көкирегиндеги гүдик музы еригендей болды.
- Ҳә, сиз-әм биз болған шаштәрезге барар екенсиз-дә?
- Дуйым журтқа үлги еки инсан бар, бас ўәзир, - деди ахун. - Бириншиси хан, екиншиси сиз.
Бас ўәзир оның тапқырлығына масайрады.
- Не демекши едиңиз?
Ол енди бир демге гидирди: "Буған билдириў керек пе, жоқ па? Исенсе? Исендириўим тийис. Түсим екенине исендириўим тийис. Егер бул өзимшил болып, мениң түсимди ханға өз атынан айтса, далада қалмайман ба? Жоқ. Бунда мен емес, "түсим" қәте шықса, жаман ат буның өзине қалады. Бас ўәзирди жазалар күн туўса, мен ушын бир минбер жыйынлыққа турады. Бәри жақсы шықса, базбаяғы бас ўәзирдиң қәдирли адамы боламан".
- Сөйлеңиз.
- Ҳүрметли бас ўәзир, ат өлсе таға қалады, батыр өлсе даңқ қалады. Ал, мендей ғәрип ахун өлсе, изинде не қалатуғынына келте пәмим алыспай ойласажақ едим.
- Дурыс айтасыз, ахун. Ҳәр инсан, қуданың бул дүньяға шашқан бир дәни. Дән көгериўи керек демекшисиз ғой?
- Ағла ақылыңызға жаным қурбан.
Түркий ахун жортаға көзлерине жас алып, бас ўәзирдиң шалғайын услап маңлайына сүйкеп турыў менен және ойланыңқырап үлгерди:
- Ҳүрметли бас ўәзир, - деди ол қамсыққан болып. - Бул дүньяда қарапайым арасында да кәраматлылары болады десе исенбес едим, лекин, көп түслерим дәлме-дәл келиўине қарап өзиме-өзимниң ҳүрметим артқан сыяқлы.
Оның медиресеге молла болыўдан бурын елде сайыл-қәлендерлик қылып көп сыр билгенинен бийхабар бас ўәзир жыллы жүзлилик пенен сорады:
- Нендей түс көрдиңиз?
Ахун бас ўәзирге күтә жақынлады.
- Түсимде арқа-батыстан бир отлы дүбелей турып туўры Хийўаға киятыр екен, қорқып ояндым.
- Буны не деп жорыйсыз?
- Хийўаға орыс патшалығы атланыс қылмаса деп қәўиплендим.
Жақында Оренбургта болып қайтқан хан жансызы да бас ўәзирге келип, генерал-губернаторының әлле қандай атланысқа таярлық көрип атырғанын айтқанда, ол онша исенбей, ханына билдирмеген еди. Себеби, жасында бир орыстан-әм тәрбия алған хан соңғы гезде орыс илимине қызығып жүр. Сол ушын да, орыс алымы Грушинге жәрдемшилер берип, таў, жер изертлетип қойыпты. Және бир жансыз тастыйықламағанша гүмилжи пикирин мәлимлеп, изинен қәте шықса, исти насырға шаптырып аларман деп қорқатуғын еди. Әне, сол хабардың түркий ахунның түсине ениўи бас ўәзирде бираз исеним туўдырса да, "түс түйениң ғумалағы" деген ой менен жүреги даўамады.
- Ахун, егер мен сизди хан менен дийдарластырсам ше?
- Усы түсимди ханға да айтаман. Ақыры, барлық бәлематтың алды алыныўы зәрүр. Мен сол түсти көргели ана бир Грушин деген орысты шабыўыл алдынан жол көриўге жиберилген жансыз ба деп-әм пәмлеймен.
Бас ўәзирдиң қыяллары да тап усылай еди, бирақ сабырлылық сақлады.
- Олай болса, - деп сәл гидирди ўәзир. - Мен сизди ханға алып киремен. Бирақ, маған не айтқан болсаңыз, түгин түсирмейсиз. Ис кеўилдегидей бәржай етилсе, сиз сарай мәсләҳәтшиси боласыз. Енди Кенесары елшилери менен ушырасыў мерасимине де сизди қатнастыраман.
Ахун бас ўәзирдиң шалғайын маңлайына тийгизип ғана қоймай, қайта-қайта сүйди. Сөйтип турып, Ерназар менен жолыққанын еслеп-әм қуўанды.
Оның ойынша Ерназарға жолыққаны да бийнәтийже болмайды. Өжет палўан аўылына жеткенше қыял сүрип, иши-баўыры от болып бир дәртке шатылады. Ең қурығанда үйине жетиўден зобалаң туўғызып, ҳаялы менен айрылысады. Бул күтә жақсы, оның анасына берген серти бузылады. Серти бир бузылса, қалған жағы тоқыма дүўендей тарқатылып кетиўи сөзсиз.
- Ҳәй мен-әм бир, - деп қолын бир силкти. - Алдымда үлкен ис турғанда кишкентайлар жөнинде ойлайман? Жоғалсын-ә, сол Ерназар!
- Ҳа, бул не?
- Кешириңиз, бас ўәзир, қыялым пәске түсипти.
- Ериңиз маған!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 12

Baxıtlı SARÍBAEV

24 Nov, 02:19


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Ҳәтте Рая олардың биреўиниң басына оқлаў менен урып, жара салыпты. Бир күни мен баллардың жанын алып сөйлеп едим:
- Сениң де басыңа оқлаў менен ураман, - деп қалды ҳаялым.
Бул сапары оның сөзин ҳәзилге алдым. Әсиресе, кишкене қызымның дәрўазаның алдына барып жылап отырғанын көп көретуғын едим.
- Неге жылап отырсаң, қызым? - деп сорайман.
- Апам жоқ, - дейди ол.
Мен оған ҳешқандай жуўап қайтара алмайман. Қулласы, халықтың "Әкениң ең жақсысы жездедей болады" дегени дурыс екен-аў, деп ойлап қаламан.
Раяның қызы Гуля да бизиң балларға араласа алмас еди. Ол ҳәдден зыят ашыўшақ ҳәм менмен. Қурттай нәрсениң үстинде "шыр" етип жылап, барлық бәлематтың барлығын бизиң балларға аўдарады. Буннан кейин ол бийшараларға күн жоқ. Оспанды оқлаў менен урып, Серегүлди сипсе менен сабайды.
Бул келиспеўшиликке гейде мен де араласаман. Бирақ буның изи жақсы нәтийже менен питпейтуғын еди. Бүйтип бул бийшараларды соншама азапқа дуўшар етип жүргенше, анасының қолына апарып тапсырайын, деп те ойлап көрдим. Бир жақын жораларымның биреўи маған тәселле берди.
- Сен қатты алжастың. Бундай ҳаяллардан енди перзентли бола алмайсаң, - деди.
Буннан кейин аяқ-қолларым бирден қалтырап кетти. Кейинге қайтыўдың ҳешқандай илажы болмады. Бирақ балаларымды қорғап қалыўдың жолына түстим.
Кишкене қызым Серегүл бақшаға қатнайды. Тәрбияшылардың айтыўына қарағанда мениң қызым соңғы ўақытлары ҳешкимге қосылмайтуғын, өзинше ойнайтуғын әдетти шығарыпты. Бир күни радиодан "Меҳрибаным анам" деген қосық берилген екен, еситип турып егил-тегил жылап жиберипти. Тәрбияшылар қанша жубатса да жылағанын қоймапты. Сол күннен баслап азаннан кешке шекем радионың алдынан шықпайтуғын усайды. Бирақ буннан кейин радиодан ол қосық берилмеген. Ал, оннан кейин Серегүл бақшаның мүйешине барып:
Сағындым мен сени...
Меҳрибаным, анам! -
деп өзинше қосық айтып отыратуғын әдетти шығарыпты. Бир күни балаларымды алдарқатыў ушын оларға арнап кийим-кеншек, базардан жаңа ғана түсип атырған жемис-жийдеклер сатып алып келдим.
Балалар неликтен де мениң бул базарлықларыма қайрылып та қарамады. Үйге кирип келгенимде улым менен қызымның үстинде қатырма таўардан тигилген көйлеклерди көрдим. Олардың екеўи де қарамы бир кило келерликтей қайнатылған сүзбеден таярланған қуртты жеп отырар еди.
- Буны ким алып келип берди?
- Апам, - дейди олар.
Бийшара Сәлийма балларын қатты сағынғанлығы ушын қоңсы үйге келип, перзентлерин көрип кеткен екен. Ырасын айтсам, мениң базардан алып келген соншама қымбат баҳалы затларым, ана қолынан шыққан бир сүзбе торақ сыяқлы тәсир ете алмады.
Ҳәр қандай адам да бир жетиспеўшиликтиң болатуғыны сыяқлы Рая сулыў болғаны менен мийнетти жақтырмайтуғын бир менмен келиншек еди. Бурын үйдиң жумысы десе әжийнем тырысатуғын мен усындай себеплер менен қазан-табаққа да араласып, кийимлеримди де өзим утюглейтуғын жағдайға жеттим. Бундай сулыўлықтың да садағасы кетейин. Ҳаялым азаннан кешке шекем өзин пардозлаў менен ҳәлек еди. Ал, мен болсам кир болып болған кийимлеримди кимге жуўдырыўдың есабын таба алмай, себилим шығып жүреди де кеңсеге сипсекеш болып ислеп атырған Кәрийма апаға жалынаман. Ол да онша қыйналмайды, бирақ:
- Бундай ҳаял менен бахытлы бола алмайсаң, балам, - деп тәселле береди.
Ҳаялым бурын бир мәкемеде секретарь машинистка болып ислейди екен. Оны дәрҳал шығарып алдым да, өзимниң мәкемеге ҳешкимге белгисизлеў орынлардың бирине буйрық бердим. Бирақ жумысқа бармайды. Азаннан кешке шекем үйде жатады. Үйде жатады деймен-аў, бизиң машинаны минип алып, қаланы айланады.
Дәслеп Рая маған қаншама сулыў болып көринбесин, соңынан оның гөззаллығы тек суў менен күн тиймейтуғын жерде ғана қойылатуғын сүўреттей сықылсыз болып көринди.
Айырым ҳаялынан кеўли толмаған адамлар өзлеринше: "Мен ҳаялдың ең төменине үйленгенмен. Басқа ҳәрқандай ҳаял буған қарағанда әдеўир жақсы болса керек" деп ойланады. Өзине пардоз берип жүрген ҳәрқандай ҳаял да оған теңи-тайы жоқ гөззал болып көрине береди.
Мен Сәлийма ҳаққында тап сондай пикирде едим.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
24. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

23 Nov, 10:48


Нөкис қаласындағы 22-санлы мектепте өткерилген әдебий ушырасыў кешесинде мийманда болып, китапқумарлық мәдениятын жетилистириў бойынша оқыўшы жаслар менен жақыннан пикирлестик.
Мектеп жәмәәтине дөретиўшилигимизге болған ҳүрмет-итибары ушын миннетдаршылық билдиремиз.

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

23 Nov, 02:26


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

23 Nov, 02:15


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Усындай күнлердиң биринде жасы меннен әдеўир киши болса да, жуўҳалық жолына әбден берилген бир ақбозлақ жанан менен танысып қалдым. Аты - Рая екен. Еки байдан қайтыпты. Мен оған үйленетуғын болдым. Ол маған тийетуғын болды. Солай етип арадан үш ай өткеннен кейин Сәлийманы судқа шақырып өзимниң ажырасатуғынымды билдирдим. Сәлийма бийшара өкирип жылады.
- Төребай, сен алжасып турсаң. Төрт перзентимиздиң ҳүрметине еле де есиңди жыйна, - деди.
Мен өз пикиримнен қайтпадым. Ол өзли-өзинен күйип-писип жылар еди.
- Мен сендей ҳүждансыз адамға қор болған жаслығым ушын жылап атырғаным жоқ. Буннан да басқа бизлер екеўимиздиң қәтелигимизди кешире алмайтуғын жағдайлар бар. Булда болса екеўмиздиң пушты-пәдарымыздан болған перзентлеримиз. Билемен, суд ҳүкими буларды еки жаққа айырады. Ана ғамхорлығынан айрылған палапан ҳеш ўақытта бахытлы бола алмайды. Еле ана сүти аўзынан кетпей атырып, балаларымыз тири жетим болып қалмасын, - деп қыйналып атырман.
Мүмкин сен, "бул еси пәс қатын мениң ҳарамнан жыйнаған дүньяларымның сырын елге дағаза етип таслар" деп ойларсаң. Жоқ! Маған сениң ҳарамы дүньяңның бир тийинының да кереги жоқ. Көп дүнья адамды бузады, деп еситкен едим. Оғада дурыс айтылған сөз екен. Сен бул ҳәрекетиң менен тек мениң бахтымды ғана емес, балаларыңның да, ҳәтте өзиңниң де бахтыңды сындырып атырсаң! - деп азар-безер болды.
- Сен бундай сулыў сөзлер менен маған ақыл үйреткенди тоқтат! Мениң бахтым ҳеш қашан сынбайды. Ал, екеўмизди жалғастырып турған жип қашшан-ақ үзилген. Оны енди ҳешқандай жалғап болмайды, - дедим.
Сол күни түни менен Сәлийма үйде солқылдап жылап жатты да, ертеңине азанда емизиўли баласын көкирегине басып, бир қызын жетекледи де үйден шығып кетти.
Судтың ҳүкими бойынша бир бала менен бир қыз мениң қолымда қалған еди.
Ананың перзентине болған муҳаббаты айрықша болады екен. Сәлийма ашыў менен есиктен шыққан болса да перзентлерин ҳешқандай қыймас еди. Анасының көз жасы көл дәрья болып, үйден шығып, еки бирдей перзентин көзи қыйып таслап кете алмай еңиреп жылап, қайта-қайта сүйип, боз-боран болып турғанын көрген балалар үйде бир бахытсыз ҳәдийсениң басланғанлығын сезди. Мениң алдарқатып айтқан сөзлериме де қарамастан анасының изинен жуўырды. Ал, мен болсам еки палапанды анасынан жуда қылған арсыз ҳәм ҳүждансыз бир мерген сыяқлы, олардың излерине тезден жетип бардым да, кишкене ҳәм ҳәлсиз бармақларынан услап жибермей тартып турар едим. Олар болса:
- Анажан! Бизлерди алып кет! - деп өкирип жылар еди.
- ... Мүмкин мен сол нәрестелердиң ғарғысына ушыраған шығарман...
Төребай усы жерде бир тыныс алған болып, азмаз тоқтап қалды да, көпшиктиң астынан қол шаршысын алып жас сорғалап кеткен көзлерин сүртти. Бираз ўақытларға шекем өзине келе алмады. Соңынан және әңгимесин даўам етти.
- Сөйтип... изинде шүйкилдеп жылап қалған жас палапанларын қыймастан анасы ай далада теңселип узақ ўақыт турып қалды. Оның көзлери селли жасларға толып кеткен. Ал, жүреги болса от болып жанар еди.
Ақыры, ол илажсыз кетти.
Арадан көп ўақыт өтпестен-ақ Раяны кишкене қызы менен үйге алып келдим. Үлкен той жасадық.
Қәдирли ошағыңның бузылып баратырғанына жаны ашып, бийсәўбетлигиңди бетиңе басқандай төрели адам жоқ. Кимди көрсең, тек сениң кеўлиңе қарап, марапат сөзге семиртип, бир сөзди тоты қустай қайталап отырған адамлар. Соның ушын да көпшилик, яғный мениң жағымпазларым:
- Төребай енди теңин таўыпты, - деп тост көтерди.
Усылайынша бизиң үйде бир майданның өзинде адамлардың көзиниң жаўын алғандай ғаз мойын, аршын төс, бир сулыў келиншек пайда болды. Кеўлим көтериңки. Демниң арасында денеси ақ қағаздай бир гөззалға үйленип алғаныма қуўанышлы едим.
Бирақ мениң бул ҳәрекетлерим өмирдеги жаңа нәўшелерим болған балларыма қуўаныш алып келе алмады. Сулыў келиншек оларға дым рейимсиз болды. Олар отырса опақ, турса сопақ, аўқатты көп жейтуғын, шайды көп ишетуғын, қулласы, дүньяда не ғәремет болса соларға жабылды. Мен күни менен жумыста болғаным ушын үйде бола алмайман. Жумыстан келгенимде балларым бийшаралардың бир қысым болып отырғанларын көрип аяйтуғын едим.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
23. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

22 Nov, 02:23


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

22 Nov, 02:04


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Мен смета менен танысып шығып, "бул жағы шатақ болмас па екен?" деп айтып едим, дайым қолын бир силтеди.
- Сениң исиң болмасын. Бәрине де өзим жуўап беремен. Несине қорқасаң, бизлерди қорғайтуғын қалқанымыздың өзи солар.
Соннан кейин мениң де олар менен жумысым болмады.
Бирақ та Төрткүлден Титов атындағы, Маңғыттан Макаренко атындағы, Кегейлиден Киров, Шоманайдан Шевченко, Мойнақтан Маяковский атындағы мектеплер салынды, деп үсти-үстине рапортларды берип атырмыз. Солай болса да қурып атырғанымыздың бәри биргеликли дачалар.
Соның арасында сегиз бөлмели биреўине өзим де барып орналастым. Темирден дәрўаза салып, қарсы алдына қулағы тикирейген қасқыр ийт байладым да, ислегениме еки жыл болмай атырып-ақ, көриниси анаў-мынаў емес бир үлкен ушан қайықтай болған қара Волганы есигимниң алдына қаңтарып қойдым. Ҳәмелдиң де өз алдына пуўы болады екен. Паровоздай пысқырып, ҳеш кимди бетлетпейтуғын бәлеге ушырадым. Аўылдан қыдырып келген шопан әкемди "шобыт кийимлериңди шеш. Үйдиң берекетин қашырасаң" деп сыртқа қуўдым. Ол бийшара тек бир күн ғана кладовкада жатып оңысып, ертеңине бизлерге айтпастан-ақ аўылға кетип қалыпты. Өзим бир жерге қыдырып баратуғын болсам, таўдай етип төсек салып берсе де, қол шаршымды үстине төсеп, танаўымды аспанға қаратып отыратуғын болып қалдым.
Узақ күн портвейн ишип, мурны помидордай қызарып жүрген ериншек бульдозершилеримиз бар. Трактордың даўысы айына бир мәртебе еситилмесе де мың сомнан жазып турғанымыз жоқ. Соның тең жартысы өзлеримиздики. Бир гербиш усламаса да айына бес жүз сом пул алып жүрген ерке рабочийларымыз да бар. Олар да уялып, алған айлығының жартысын бизлерге береди. Бизлер болсақ ишкен-жегенимизден қалғанының бәрин дипломат папкаларға салып, жоқары жақларға тасыў менен әўеремиз.
Комиссия яки ревизор келип қалғандай болса бизлерге ҳешқандай тыным жоқ. Бул күнлери мәкемеде оншама жумыс болып жарымайды. Қосымбет қой базарына, Турдыбай таўық базарына, Аралбай арақ базарына қарай жуўырады. Гүлимбетти гүришке, Пирниязды пиязға, Генжебайды геширге жиберемиз. Қазый қазан табағын арқалап, Көшербай көрпе-төсегин қушақлап, ҳәммемиз бир машина боламыз да салқын саялы жер излеп, Грачевкаға қарай тартып кетемиз. Оның изин ала шашлик писиретуғын әсбапларын алып, Шәрибай изимизден қуўып жетеди.
Соңынан Дәлибай екеўмиз еки машинаға минемиз де, түни менен арақ ишип, көзи муштай болып исип кеткен нәзик мийманларды дачаның қақ маңлайындағы есикте күтип отырамыз. Баслары мең-зең болып, баўыр қурт болған баспақтай болып былғаңласып жүрген кисилерди машинамызға миндирип, Грачевкаға тартамыз. Соңынан ол жақта арақ ишкишлер менен аўқат асқышлардың конкурсы басланады.
Буннан басқа да тәшўишлеримиз аз емес. Қайыпты "қамары малақай таўып кел" деп Төрткүлге, Бийсенбайды "бийқасам тон таўып кел" деп Берунийға жиберемиз.
Қулласы, комиссия қайтып кеткенге шекем кирпигимиз айқаспайды. Алты күнге созылып кеткен аспазлардың конкурсынан кеўли әбден тойған комиссия, ақыры кеңсемиздиң қай жерде екенин көрмей-ақ, Өтеген ағаның өзлеримизди мақтап жазып берген справкасына қол қойып, изге қайтып кетеди.
Келген комиссия да, ревизия да бизлерди мақтай берди. Усындай жағдайларда жүрип, ақырында менменлик кеселине жолықтым. Жаслай қәлеп алған ҳаялымның өзи де көзиме бәледей болып көрине баслады.
- Сықылсызсаң, саўатсызсаң, - деп балағатладым. - Аўқатыңның дәми жоқ. Утюгти дурыслап баса алмайсаң, - деп кейидим.
Ҳаялым бийшара азар-безер болды.
- Сен, биротала бузылып баратырсаң, Төребай. Егер ақылымды алсаң еле де кеш емес, аўылға қайтайық, - деп жалынды.
- "Ийте сары май жақпайды" деген усы. Ырасын айтсам мениң сендей әндийшесиз бир ҳаял менен турғым келмейди, - деп кейидим.
Араққа көбирек берилип кетип, кеште мәс болып қайтатуғын едим. Порсық минезли болса да, пулы көп адамды периште деп таныйтуғын, бети тегис болғаны менен де жоллары қыйсық-қыйсық жуўҳа қыз-келиншеклер де әдеўир бар еди. Қарабарақ жемеймен деп, қурдымға түсип кеткен түйедей солардың жетегине ерип кеттим. Бир күн үйге келсем, бир күн келмей қалатуғын әдетти шығардым.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
22. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

21 Nov, 15:21


Өзиң ҳаққында сыртыңнан жақсы ҳәм унамлы пикирлерди айтқанлығын еситиў қандай бахыт. Ал, унамсызларына болса кеўил бөлмеў керек екен.

Baxıtlı SARÍBAEV

21 Nov, 02:16


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Соңынан мениң бул жерде не мақсет пенен жүргениме қызыққан адамдай:
- Өзиң бул жерде не қылып жүрипсең, жийеним, - деп сорады.
- Қурылыс техникумын питкерип, дипломды қолыма алып, аўылға қайтып баратырман.
- Онда былай етемиз, - деди ол. - Билетлерди тапсырып, бүгин бизиң Ташкенттеги үйге барып жатамыз.
- Ўәй, қойшы дайы. Үш күн нәўбетте турып зордан бир билет алғанда Ташкентте қалғаны неси?
- Билеттен ғам шекпе, - деди ол. - Бизлер ушын Ташкенттен Нөкиске барыў, Нөкистен Халқабадқа барғаннан аңсат. Тек самолет ушса болды.
Маған сирә қудайталаның өзи сени арнап жиберип турған шығар. Ойласып, кеңесип шешетуғын сөз бар.
Сыртқа шығып тоқтаған жеримиз - аэропорттың берги мүйешиндеги бир түп шынардың асты еди.
- Мениң бас инженерим болып ислейсең бе, жийеним?
- Бас инженер болып ислеў ҳәркимниң де қолынан келе бермейди. Оның ушын терең билим ҳәм тәжирийбе керек, - дедим мен.
- Ҳәзир бас инженер болып ислеў ушын ҳешқандай бастың кереги жоқ. Тек жүрек керек. Бас инженер деген не? Тек ўақты-ўақты қағазларға қол қойып отыратуғын баслықтың қуўыршағындай бир адам.
- Мен ыразыман, - дедим бирден.
- Бул басқа гәп. Әне, көрдиң бе? - деди дайым бирден қуўанып кетип. - Мен енди сени өзим тәрбиялайман. Арадан бир жыл өтпей атырып-ақ, меншигиңе "Волга" машинасын минип, он қабатлы жай салып аласаң.
Жүр, жийеним, енди бизиң Ташкенттеги үйге барамыз.
Мен енди илажсыз оның изине ердим. Дайым дус келген бир машинаны қол көтерип тоқтатты.
- Чиланзарға, - деди дайым.
Машинадан түсип узын-қысқалы болып үшинши қабатқа көтерилдик.
Есикти орта бойлыдан келген бир ақ бозлақ жаўан ашты.
- Мен еле сизди Нөкиске барып қалған шығар, - деп едим. - Самолет ушпай қалды ма? - деп сорады ҳаял.
- Самолет ушпай қалды. Оның үстине жийеним менен ушырасып қалдым.
- Қандай жийениңиз?
- Мине, мынаў, - деди мени көрсетип.
- Танысып қойыңыз, бул бизиң Ташкенттеги гөззалымыз Дилбархан. Сизиң жеңгеңиз болады, - деди.
- Оҳ-а! Таныстырыўды да қатырады екенсиз, - деди жеңгей.
Жеңгей есикти жаўып, бизлерди ишкериге баслады. Бул үш бөлмеден ибарат, жақсы етип безетилген бир квартира еди.
Бизлер гилем үстине көрпешелер төселген астахтаның әтирапына жайғастық.
Ҳаял шебер аспаз екен. Жүдә бай дастурхан жайды. Дайым болса қолына блокнотын алып, ҳәр жаққа қоңыраў қағыў менен әўере. Сөзиниң рәмәўзи төмендегише: "Жийеним бас инженер болып тайынланып еди. Соның ушын да сизлерди зыяпатқа шақыраман".
Қулласы, арадан көп ўақыт өтпей-ақ узын-қысқалы болып үйге онлаған адам кирип келди. Ортаға бир ящик арақ пенен коньякты қойдық та отырыспаны баслап жибердик.
Мен де азлап иштим. Бес-алты тосттан кейин басым айланып, шалқа ортама қуладым. Азанда оянып қарасам басқа бир бөлмеде жатырған екенмен.
- Тезирек бол, самолеттен кешигип қаламыз, - деди дайым.
- Жолыңыз болсын, жигитлер, - деп таяқ кирпик, тана көз сулыў жеңгемиз ол қалды. Бул иретте әйтеўир жолымыз бирден бола қойды. Енди ғана Нөкиске ушпақшы болып турған самолетке илестик.
Дайым самолеттен Нөкиске келип түсти де, туўры кеңсесине тартты.
Дәлибай дайым айтқандай-ақ бул жерде оның алдынан кесе өтетуғын адам жоқ екен. Бир кеңсени толтырып отырған адамлардың бәри сол кисиниң ата-бабасынан тарқалған урпақлар болып шықты. Шетинен ағасы, иниси, жийени, бөлеси. Басқа бөлек адамлар жоқ. Ал, мен болсам, жасым жаңа ғана жигирмадан өткен болса да, олардың алдында "ҳүрметли ақсақал" атандым.
Бир күни Дәлибай дайым айтты:
- Саған арналған арнаўлы жайды енди саламыз. Микрорайонда бир төрт бөлмели жай босап турған екен. Ҳәзирше сол жерге көшип өт. Ҳаялыңды, бала-шағаларыңды алдыр, - деди.
Сол сөз түртки болды да, арадан бир ҳәпте өткеннен кейин, аўылдан ҳаялым менен бирге үш баламды көширип алып келдим. Ғарры болса әбден қырсықланып қалаға келгиси келмеди.
Дәлибай дайымның айтқаны ырас болып шықты. Қурылыс дегенниң өзи турған-питкен пул екен. Материаллардың бәри қәҳәт.
Қарақалпақстанның көпшилик жерин бала бақша менен мектепке толтырып жибердик, деп айтқанымыз бенен салып атырғанымыздың бәри де жасүлкенлердиң меншик үйлери болып шықты.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
21. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

19 Nov, 02:00


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Егер биз өзимизди ашық теңизде жүзип баратырған бир корабль деп есапласақ бағдарымыз дүзиў еди. Бирақ кемени басқаратуғын капитанлардың саны көп болып кетти де, олар өзлериниң қәлеген жоллары бойынша ғана айдады. Барлық корабльлердиң бағдарын бирден бақлап турғандай билгир адмиралымыз болған жоқ.
Бул кемелерде матрос сыпатында ҳәммемиз де қатнастық. Бундай айналмалы жоллардың қәўипли екенлигин де сездик. Сонда неге өз пикиримизди батыл түрде айта алмадық.
Асан шынында да ҳақ сөзди айтқан еди. Қасым оның бурынғы сөзлерине қарап та ҳақ нийетли бир жигит екенлигин сезген.
- Кемемиздиң өз жолынан шығып баратырғанлығы ҳаққында батыл сөз айтқан адамлар көп болды, - деди Қасым. - Бирақ та бундай сөзлерди тыңлағандай қулақ болмады. "Өз кадрларымызға исенемиз" деген уранның басым болып кеткенлиги сонша, әдалат излеп жоқарыға жазылған ҳәрқандай хат қылмыс ислеп атырған адамлардың қолларына келип түсти. Олар бундай хатларға әдалатлы түрде қараған жоқ. Бәлки "өз дүзиминиң душпанлары, шарбаялар" сыпатында қарады. Солай етип, булар да натуўры пикирдеги басшылардың буйрықларына бойсыныўға мәжбүр болған еди.
20
Арадан бир күн өткеннен кейин Дүйсенбай менен Жумабайға үйлерине қайтыўға руқсат берилди. Олар кетти. Ал, алтыншы палатаның иши болса еки қызын теңнен турмысқа шығарып жиберген үйдей кеўилсиз болып қалды.
Соның арасынша палатаға Төремурат кирип келди. Қасында тор қалта көтерип алған төрт-бес жигити бар.
- Қалай? Достың, жағдайларың жақсы ма? - деп жалбырақлап атыр.
- Жақсыман. Өзлериңиз қалайсызлар? Кафедрада адам қалды ма? Ҳәммеңиз келипсизлер ғой.
- Жасы үлкенниң жағдайынан хабар алайық, - деп жигитлер бир бас қосып еди.
- Жақсы болған екен.
Қулласы, булар ярым саат даўамында университет жаңалықлары ҳаққында сөйлести. Қасым өз кәсиплеслерин дәрўазадан шығарып салып, палатаға қайтып келгенде Төребайдан басқа ҳешким жоқ еди.
- Кеширерсиз, достым, жасымыз қатар болғаннан кейин, мен сизге бул сораўды бериўге мәжбүр болып турман. Кеселханаға түскениңизге сонша ўақыт болыўыңызға қарамастан неге сизди бир адам излеп келмей атыр? Яки усы жасыңызға шекем
Төребай узақ ўақыт ойланып қалды.
- Үйлендим. Бирақ көбирек жолдан адасқан адамман.
Мен судланған адамман.
... Ол ўақытлары ғыршылдаған жас жигит едим. Ташкент қурылыс техникумын жаңа ғана питкерген ўақытларым еди. Еплеп аўылға барып прораб болып орналассам семьямды бир жөнкилли етип аларман деген ойым бар.
Яқ, дәслеп әңгимениң басынан басламасам болмайтуғын усаған. Мен анаў Қамсарықтағы Қыдырбай деген шопанның қой аўзынан шөп алмайтуғын жалғыз баласы едим. Әкемиз Қыдырбай шопан елли алты жасына шекем перзент көре алмаған. Ҳаялын таслап басқа биреўге үйлениўди де ойлап көрген адам емес. Қулласы, өзи елли алты жасына келгенде ҳаялы тосаттан қазаланған. Соңынан анамыз Нағыймаға үйленген екен. Соннан әжағам Алпысбай менен мен туўылған екенбиз. Алпысбай әжағам армиядан келген жылы мотоцикл айдап киятырып аварияға ушырап қайтыс болды.
Әжағамның қалыңлығы да бар еди. Ағам менен бирге ислейтуғын Жумабай деген шопанның қызы Сәлийма. Өзи мениң менен түйдей жас. Бир класста оқыйтуғын оғада әдепли қыз еди. Әжағам сол қызды унатып, ағам Жумабай аға менен қуда түсиўдиң әнжамына кирисе баслады. Бирақ әжел деген өзи айтып келмейди екен. Соңы усындай болып қалды. Тойдың басланыўына төрт күн қалғанда әжағам қайтыс болды. Әжағамның ас-абатын берип, арадан бир жыл өткеннен кейин ағам мени алдына шақырып алып тәселле бере баслады.
- Адам баласы өмирде не болатуғынлығын алдын болжап билмейди. Алпысбайжанды үйлендирмекши едим, изи усылай болды. Сен де енди жас емессең, балам, оныншы классты питкердиң. Ал, мен болсам жетпистен асып кеттим. Келин жумсап ақлықлы болғым келеди, деди.
- Мен еле бул жағын ойлап көргеним жоқ еди, - дедим мыңғырлап.
- Не ойлап көрери бар. Жақсыны жатқа жиберип болмайды. Сәлийма жақсы қыз. Анасы Арыўхан, шопанның келиншеги болғаны менен пүткил Кенегеске белгили нашар еди. Келип турған дәўлетти қайтарма, балам.
- Сәлийма жақсы қыз-дә, бирақ Алпысбай ағамның ҳүрейи ушын оған сөз айта алмайман.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

18 Nov, 01:55


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
- Әлбетте. Бал тутқан бармағын жалайды, деген.
- Сонда адамлардың ҳеш қайсысы үндемей ме?
- Үндегенлер де болады. Олардың аўзына қум қуйды ғой. Материалщик деди, анаў деди, әйтеўир апарып қаматты. Соннан кейин бизлер де қорыққанды қойдық.
- Бай-бай, ғәрремлик жол менен ақша табыўдың жолы көп болған екен ғой.
- Көп ғой... Буннан он жыл бурынырақта бир ҳәдийсе жүз берди. Бир күни директорым жүдә қапа болыңқырап, басын ийип алдыма келди.
- Өтеке, басымызға бир мүсийбетлирек ис түсип тур, - деди ол. - Қалай болмасын бес жүз мың манат таўып бермесем болмайды екен.
- Ҳаў, айлықты тарқатқанымыз кеше ғой. Соншама пулды қаяқтан табамыз?
- Илажын таба алмасаң бас бухгалтер болып, неге ислеп атырсаң! Ойланып көр. Күнде бир қой сойып жеп отырғаның кимниң арқасы екен? Ақыры, бул тапсырманы райкомның өзи берип атыр!
- Райком... - Мениң дизелерим бирден қалтырап кетти. Райком ашыўланды ма, шатақ. Себеби олар жанып турған от, ал бизлер сексеўил едик. Әри-бери ойланаман. Бирақ ҳеш илажын таба алмайман.
Үйге келсем, радиода жаңа жер өзлестириўшилерге арнап концерт берилип атырған екен.
- Таптым, - дедим өз-өзимнен сыбырлап.
Сол турысында ғырра изге қайттым да, туўры директордың үйине бардым.
- Таптым, - дедим оған.
- Нени?
- Ақыры бизлерге тыңнан жер өзлестириў ушын ярым миллион пул ажыратылған ғой.
- Басың сениң сааттай ислейди, - деди директор қуўанып, - сонда қәйтемиз.
- Бир түнниң ишинде мына "Сасық көлди" өзлестиремиз.
Солайынша мен бул иске кирисип кеттим.
Қулласы, таң атқан ўағында барлық ҳүжжетлерди тайынлап инженеримиз Владимир Пактың алдына бардық. Ол ҳүжжетлеримизди көрип, ҳайран болды ҳәм қол қойыўдан бас тартты. Райком инженердиң әдеўир сыбағасын берипти. "Басқа кемшиликлериңди таўып, судқа беремен" деген екен, бийшара жылап отырып ҳүжжетлерге қол қойды.
Райком банк баслығына бирден қоңыраў етти де, еки қапшыққа нықлап салынған бес жүз жигирма мың сом ақшаны түске таман кеңсеге әкелип түсирдик. Жигирма мың сом "Сасық көл" операциясына қатнасқан жигитлердиң саўғасы еди. Оны мен, директор, экономист ҳәм кассир төртеўимиз бөлисип алдық.
Әне, достым, керек болса саған ҳақыйқат!
Барлықбай не айтарын билмей төмен қарап ойланып қалды.
18.
Жан-жағына аўнай берип, талығып кеткен Қасым көп ўақытқа шекем уйықлай алмады.
Қасым өз халқының еки әсирлик тарийхын ашқаннан берли тап усындай тынышсыз болып қалған еди.
Халық енди ғана есин жыйнады. Өтмиштеги бабаларының қандай болып өткенлиги ҳаққында ҳешқандай түсиниги жоқ. Соның ушын да ол "мен халқымның пүткиллей өшип кеткен сол өтмиш өмирин изертлеп көрсетемен" деп илим соқпақларынан сүрникпей өтиўге бел байлады. Қасым тарийх илиминиң усы тараўы бойынша илим кандидаты атағын алды. Бирақ оның алдында буннан да мүшкилирек болған машақатлы жол бар еди. Ол да болса илим докторы атағын алыў.
Ол бул ҳаққында өз устазы Мурат Мухамемедович пенен көп ойласты.
- Мениң сеннен күтип отырған тилегим де усы, - деди академик. Ҳәзир дүньяда өз тарийхын он сегизинши әсирден баслап жүрген халық бар ма? Тарийхтағы жумбақ мәселелерди шешип бериў сизлердей талантлы жасларға байланыслы.
Солай етип академияда Қасымның докторлық жумысының темасы бекитилген еди. Ол да болса: "Қарақалпақ халқының пайда болыўы".
- Тема жүдә қыйын, - деди академик. - Егер бул теманы алып шыға алсаң, онда қарақалпақ халқы саған миннетдар болып қалады.
Ол бул мәселени шешиў ушын қаншама жерлерди араламады.
Москва, Ленинград, Ташкент, Будапешт, Бағдат ҳәм Қахра китапханалары менен танысты.
- Илим қызық. Оның ашылмай атырған жерлери оғада көп, - деп сыбырланды кроватының оң жағына қарай аўдарылған Қасым.
19.
Асан ҳәрбир айтқан сөзин нықлап атырғандай жанындағыларға мәнили түрде бир қарады да сөзин даўам етти.
- Адам баласының қолынан барлық нәрсе келеди. Жақсылықты да, жаманлықты да ислейтуғын адам. Буннан бирнеше жыллар бурынырақта айтқан бир райком секретарының сөзи еле қулағымнан кетпейди.
- Маған ақыллы адамлардың кереги жоқ! Айтқанымды қылатуғын адамлар керек! - деп айтқан еди ол.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
18. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

17 Nov, 02:16


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

17 Nov, 02:07


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
- Бул ручканың бир қәсийети бар, - деди Қасым.
- Қандай?
- Алдыңа ақ қағаз жайып отырсаң болды, бирден қосық жазып кете бересең.
Әлбетте, бул сөзди Қасым ҳәзиллесип айтқан еди.
- Ырас па?
- Ырас. Егер исенбесең үйиңе барып жазып көр.
Шәригүл ручканы алды да есиктен шығып кетти.
- Жас қызды алдап жибергениңиз жоқ па? - деди Төребай.
- Яқ. Турмыста өзи сондай болады. Бир жола академик Мурат Мухамедович маған бир ручка сыйлыққа бергенде түни менен илҳамланып жақсы бир мақала жазғанман. Жақсы саўға адамды илҳамландырады. Бир нәрседен қапа болып жүрген екен. Кеўли орнына түссин, деп атырман. Ал, ручканың баҳасы еки сомнан асып кетпейди.
- Ондай болса жақсы екен. Әйтеўир адам баласының қапа болмағаны жақсы.
Буннан кейин ҳәмме халатларын кийип сыртқа шықпақшы болды.
Палатада тек еки адам ғана қалды. Қасым кеше кеште сыртта көп отырып қалып аязлаған.
Кеше ҳаялы келип кеткеннен берли Өтемистиң де мәниси жоқ. Өз дәртин сыртқа шығарып айтпайды. Сонда да белгили. Басқа палатада жатырған оның Барлықбай деген жорасы бар. Еки күннен берли сыртқа шықпағаннан кейин, гүманланды ма, әйтеўир бүгин палатаға Барлықбайдың өзи келди.
- Ҳәй, Өтемис! Азаннан кешке шекем ақ сүп көрпеге оранып жата бергениң не? Жүр, оннан да сыртқа шығып, аяқларымызды бир жазып қайтайық.
- Рахмет, достым, ҳәзир дым мәнисим болмай атыр.
- Неге? Ҳаў, кеше емес пе, доктор, енди үйиңе қайта бер, деп атыр дегениң.
- Үйиңе қайта бер деп айтты-аў. Бирақ үйден келген хабардың өзи де қайтадан аўыртып таслады ғой.
- Не болып қалды, соншама?
- Директорымызды қамап таслапты.
- Директор қамалса, басқа бир қылмысы бар шығар.
- Баслықтың бухгалтериядан тысқары қандай қылмысы болыўы мүмкин. Бухгалтерия дегенниң өзи барып турған қылмыстың өзи ғой.
- Саған не? Адамлардың ислеген ҳақысына пул төлеп отыра бермейсең бе?
- Ҳәзир ғой сөйтип атырғанымыз. Бурын көп бәлелер болып кетти ғой.
- Бәлеси неси?
- Ҳаў, мынаў ҳәзирги қайта қурыў деген басланып азмаз жанымыз қалды ғой. Қудайдың өзи сақласын. Буның арғы жағының бәри шатақ.
- Шатақ болғанда сени биреў мәжбүрледи ме?
- Мәжбүрлегенде қандай. Өзиңнен қалатуғын гәп жоқ. Бәрин өз көзиң менен көрдиң ғой. Сен қолыңда бухгалтерлик дипломың болса да директор менен келиспедиң. Өз кәсибиңди таслап кетип, мектепте математикадан муғаллим болып иследиң. Ал, бизлер болсақ директордың айтқанын қыламыз деп искенжеге түсип қалдық ғой. Қолында дипломы бар бухгалтерлер қуўылды. Бизлердей оныншы классты шалама-шәкки питкерген адамлар бас бухгалтер болып иследи.
Ревизия келип кеткеннен кейин енди бир бәледен қутылған шығарман деп ойлап едим. Қайда? Он бес жыллық мәселе бирден қозғалып кетипти. Өзиң билесең, бул арада еки директор өзгерди. Енди бизиң аўҳал шатақ. Соның бәри жүрекке түскеннен кейин менде не қалады?
- Мен ҳайранман, - деди бир ўақытлары Барлықбай. - Усы баслықлар бир миллионға шамалас пара алыпты, - деп еситемен. Соншама пулды бухгалтерия қалай жайғастырады. Ақылым ҳайран?
- Тап бир дүньяға бүгин келип атырған адамдай. Сен де айттың-аў.
- Ал, бизлер дүньяға бүгин-ақ келген болайық. Егер сен дүньяға бурынырақ келген болсаң, буның сырын айтып бер.
- Билмесең, онда есит! Бригада ағзаларына дүзилген ведомостьлар тек отыз сом менен тоқсан сом арасында бола ма? Болады. Кассир оларға тийисли пулларын тарқатып, қол қойдырып келеди. Оннан кейин бул ведомостьлардың ҳәммесине жаңалық киритемиз. Тап сол ведомостьты жазған ручканы қолымызға алып, ҳәммесиниң алдына бир цифр қойып шығамыз. Енди бир қарасаң, отыз сом - бир жүз отыз сом, елиў сом - бир жүз елиў сом болып шыға келеди. Бизлердиң көп пул табатуғынымыздың мәниси сол ғой. Булардан тысқары оқыўшы ҳәм студентлерге төленетуғын пуллар және бар. Жыл ақырында байраққа берилген пулларда буннан да қүдиретли цифрлар ушырайды.
- Бул барып турған көз бояўшылық ғой.
- Көз бояўшылық болса не қыламыз. Жоқарыдан келген тапсырма солай, деп түсиндиреди.
- Сонда усыншама пулларды не қыласызлар?
- Қайдан билейин. Пөңкит дейме-аў, сөңкит дейме-аў, әйтеўир қапшықлап алып кетеди ғой.
- Өзлериңиз де пайдаланатуғын шығарсыз?
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
17. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

16 Nov, 15:12


"Гүзде келген көклем"
Зор сериал

Baxıtlı SARÍBAEV

16 Nov, 07:49


Бахытлы болыңлар!
(Усыныс бойынша)

Әзиз күйеў балам, саған исенип,
Көзимниң қарасын тапсырдым бүгин.
Қызымды қәдирлеп, кеўлин түсинип,
Бирге көтергейсиз хожалық жүгин.

Үмит пенен мен камалға келтирдим,
Шадпан жолықты деп мүнәсип күйеў.
Ҳаял сүйер итибарды, меҳирди,
Өмир бойы қапталында бол сүйеў.

Әзиз күйеў балам, сүйикли қызым,
Ығбалыңыз жанып бахытлы болың.
Халық айтар: "Жарасыпты жулдызы",
Аппақ пәтияға жайылар қолы.

"Нағыз ҳаял ерин ер қылар" десер,
Ҳаяллық парызың сыйлаў "Пирим!" деп.
Пайызлы отаўдан кеўили өсер,
Дүзден келсе қарсыласаң күлимлеп.

Ата-ене хызметинен талықпай,
Жан қызым, таба бил кеўлиниң бабын.
Турмыс сабақларын үйрен жалықпай,
Гүллениўи ушын бахтыңның бағы.

Ул-қызлардың болып ата-анасы,
Қуўанта бергейсиз ақлықлы етип.
Алтын уяңызда ҳәййиў жаңласын,
Буйырғай отырыў бесик тербетип!

16-ноябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

16 Nov, 04:05


Ҳүрметке бөлениў бахытлы етеди.

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

16 Nov, 02:13


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Бизлердиң алдымызда профессор түўе академиклердиң өзи әззи. Университетте "мен ҳақыйқатлықты орнатаман" деп мушына түпирип жүрген бир муғаллим бар екен. Жораларым айтты: "Тап усыннан бир нәрсе түсирсең мурнымызды кесип беремиз", деди. Бир күни сол муғаллим мурны салбырап мениң алдыма келип отыр. Қудай жарылқап, қызы соқыр ишек болыпты.
Бир ағайинимиз еки жылдан бери баласын университетке киргизе алмай, "Баламды киргизип беретуғын адам табылса бес мың беремен" деп жалынып жүрген еди.
Муғаллимниң қызын операция столына жатқызып, пышақларымды қайрап турып өтиниш жасадым:
- Бир жақын ағайинлеримиздиң баласы университетке имтихан тапсырып атыр, соны...
Муғаллим бирден селк ете қалды.
- Мен имтиханға қатнаса алмайман ғой.
- Онда өзиңиз билесиз?
Қызының қолынан услап турған муғаллим бийшара жылап жиберди.
- Быйыл имтихан алмайтуғын едим. Бирақ жора-жолдасларымнан өтиниш етип көрейин.
Сөйтип, бир ҳәпте бойы сол бийшара муғаллимди ҳәркимниң есигине дилгир еттим. Бала оқыўға кирди. Ағайинимнен бес мың сомды санап алдым да, пышағымды қолыма алып, жораларымның алдына бардым.
- Қәне, қайсыңыздың мурныңызды алдын кесейин, мен сол сизлер айтқан муғаллимнен бес мың сом пайда түсирдим, - дедим.
- Онда бизлер жеңилдик, - дести жораларым.
- Бул барып турған ҳүждансызлық ғой, - деди Қасым.
- Ҳүждан! Әдалат! Буның бәри де тек китапларда ғана жазылған. Пул алдында әззи нәрсе, - деди Нуржан. - Пул менен ҳәрқандай нәрсени де сатып алыўға болады.
- Болмайды!
- Болады! - деп ерегисти Нуржан.
- Енди болды, - деди Алланазар. - Мен сени бурыннан жақсы таный алмай жүрген екенмен. Қалай да сен өзиңди усы жерде маған жақсырақ таныстырдың, - деп айтты да бирден ашыўланып, есикти қатты жаўып шығып кетти. Нуржан оның изинен:
- Алланазар Мәўленович! Тоқта! - деп бақырыўы менен сыртқа қарай атылды.
Жүреги бир силкинип, шаншып кеткен Қасым, шеп қолы менен бирден көкирегинен услады да:
- Адам ҳүжданнан айырылған ўақтында ҳайўанға айланады, - деп кроватына қарай қулады.
17.
Азанда палатаға ерте Шәригүл кирип келди. Ол неликтен де бүгин кеўилсиз еди. Ҳәтте жылаған да болған болыўы итимал. Көзлери исип кетипти. Жас қызлардынң турмысында да ҳәрқыйлы жағдайлар болады...
Өмирдиң өзи де көбирек тәбиятқа усайды. Оның жайма-шуўақ, қарлы, боранлы күнлери оғада көп.
Палатада жатырған адамлардың бәри де оны тап өз қызындай көретуғын еди. Соның ушын да айырымлары оны қапа еткен жағдайды билгиси келди. Бирақ қыз көзиниң жасын сыпырып.
- Сизлерге айтқандай нәрсе емес, - дегеннен кейин, ҳешким оған қайтарып сөз айта алмады.
Әсиресе, Асан оны еркелетип "Жейран" деп шақыратуғын еди. Бүгин ол бул сөзге қапа болып қалды.
Тап бул жерден тезирек шығып кетиўге асыққан адамдай уколларды да жүдә шаққанлық пенен салды. Қалайда Шәригүлдиң өмиринде әллеқандай бир өзгерис болып атырған сыяқлы еди. Қыз Қасымға укол салып болған ўақытта тоқтады. Қасымның тумбочкасының үстинде бир нағышлы ручка жатырған еди. Профессор оны шет ел сапарларының биринде Жайпур базарынан сатып алған. Ручканың ишинен Агра ҳүкимдары болған Шах Жаҳанның сүйикли ҳаялы Мумтаз бегимниң кишкене ғана статуясы орнатылған. Соның ушын да ҳәр қандай адамды бирден өзине тартады.
Бул ручка сувенир болғаны ушын да Қасым оны көп қолланбайды. Тек ғана кеселханаға келген, кеткен адамлар ушын ғана адреслер жазылады.
Ручканың ишиндеги қыз сондай сулыў. Оның көриниси Шәригүлге жүдә усап кетер еди.
Мине, сол ручкаға Шәригүлдиң көзи түсип кетти.
- Ручка сизики ме?
- Аўа.
- Саған унай ма?
- Унайды.
- Онда усы ручканы саған саўғаға бердим.
- Бундай саўғаны алмайман, - деди Шәригүл.
- Неге?
- Қудай билсин бизиң пул менен қанша пул туратуғынын буның. Алтын ба? Гүмис пе?
- Алтын да, да, гүмис те емес. Мыс...
- Яғәй. Сонда да қымбат шығар. Төлепберген ағаның бир қосығы бар еди. Ядыңызда бар ма?
Прокурорлар үйин қатлар,
Алған жылар, берген датлар,
Саўғаға берилген затлар,
Пара болар бара-бара.
- Яғәй, бул қайсындай пара болыўы мүмкин. Өзиниң баҳасы бизиң пулымыз бенен бир сом турмайды.
Шәригүл ручканы алмады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
16. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

15 Nov, 13:42


📍17071-harbiy qism.
📍QR MIH ChHT MBTM
# Ma'naviy yuksalish va Vatanparvarlik kuni


📚 Bugun 2024-yil 15- noyabr ,, ma'naviy yuksalish va vatanparvarlik kunida 17071 harbiy qism va QR Mudofa ishlari qoshidagi chaqiriluvchilarni harbiy-texnik mutaxasislarni tayorlash bõyicha markazi kutubxonachisi Joldasova Jamila yosh kitob sevar askarlarga yosh qalam sohibi tomonidan ,,Yangi nashir qilingan badiiy adabiyoti"bõlib õtdi. Unda Qoraqalpog'iston Respublikasi yosh shoiri Baxıtlı Sarıbaev kitoblarining yangi nashirining taqdimoti bõlib o'tdi.

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

15 Nov, 01:58


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Соны азмаз белгилеп жибермесек болмайды. Тап үлбиреп пискен бир қозының гөшин солайына алып келген екен.
- Ҳәзир қойдың жилигин кемирип отырғандай жағдай бар ма, иним. Палаталарды аралаўым керек.
- Пай, қойшы, ҳәзир саат сайын палата аралап жүрген врач бар ма. Егер қатты болып қалса, медсестралардың өзлери-ақ шақырып алады.
- Яқшы, онда жей бериң. Ҳәзир бараман. Бир сөйлесип алатуғын жумысларым шығып турыпты.
- Ўәй, қойшы, сол жумыс дегенди. Өзи бара береди. Егер түни менен уйықламай ислесең де бул жумыс дегенниң ада болғанын бир көрмедим. Айтпақшы... мына жигит жораң ба? - деди Қасымға қарап. - Бул жас үлкенди де бурыннан таныймыз.
- Аўа. Бир мектепте бирге оқыған достым еди.
- Қалай? Жақсы болып кеттиңиз бе, жас үлкен. Егер пышақ пенен дүзелгендей жара болса дәрҳал маған айтың.
Бул дүньяға шыққаннан кейин тек адамлардың иси түсетуғын қәнигеликти ғана ийелеў керек. Врач болсаң бәринен де зор. Ҳәмме алдыңа келип жалынып турады. Мениң пикиримше, врач та, университеттиң муғаллимлери де ең бахытлы адамлар.
- Неге?
- Себеби барлық адамлардың саған жумысы түседи-дә. Шийрин жаның өзиңе керек пе? Керек. Демек врачқа өмириңше жалынышлысаң. Балаңды келешекте белгили бир маман етип тәрбиялаўды қәлейсең бе? Бәрибир университеттиң муғаллимлерине жалынасаң. Дүканшылық та шеп өнер емес. Ал, складшы болсаң бәринен жақсы.
Қасым бул қолайсыз сөзлерди еситип турғанын көрип, өзин алып қашпақшы болды. Бирақ Нуржан әдеўир ишип алған екен. Буның менен де тоқтаған жоқ. Өз қыялында не болса бәрин де жасырмады. Ол енди ҳәрбир сөзин үлкен мақтаныш пенен сөйлер еди:
- Адамлар да ақылсыз емес. Ҳәзир тек қәнигелигиңе қарап турып сыйлайды. Егер врач болып алдың бар ғой, ҳәрқандай гежир адамның өзин маймыл етип ойнатасаң. Айтқаныңды қылмай көрсин, әкесин танытып жибересең, ондайдың.
Мен операция бөлмесинде пышағымды қайрап турып-ақ көп жумысты питкеремен. Баласын операция бөлмесине апарып қой да, аўзыңа түскен нәрсени айта бер. Тап "қустың сүти" десең де таўып береди олар.
- Бул барып турған жаўызлық ғой, - деп жиберди Қасым.
- Жаўызлық емес. Бул тек адамларды тәўбеге келтириў. Ақыры, бизлер де Гиппократ заңы алдында ант бергенбиз. Адамлар айтқанымызды орынласын, орынламасын, бәрибир сәтли операция жасаймыз. Минекей, Алланазар айтсын, мен жүз адамға операция жасаймыз. Минекей, Алланазар айтсын, мен жүз адамға операция жасадым. Соның қайсы бири сәтсиз шыққан екен. Бәри де тири. Бирақ гейде... Әне, көрдиң бе? Мен адамларды зорламайман. Берсе аламан. Бермесе өзи билсин. Ақыры, бул мениң өз мийнетим. Жай дүзетиў, машина дүзетиў мүмкин. Бирақ адамды дүзетиў бәринен қыйын екенин өзиң де билесең ғой. Соның ушын...
- Ҳүкимет мийнет ҳақыңды төлеп атырған жоқ па? - деди Алланазар.
- Төлеп атыр. Сонда да адамлардың рахмети, қосымша ҳақы деген бәринен де жуғымлы болады.
- Қосымша ҳақының өзин де ҳүкимет төлеп атыр. Усы кеселханада ең көп айлық алатуғын сен.
- Бәрибир. Мен ҳәзир адамлардан ҳеш нәрсе сорап атырғаным жоқ. Бирақ өзлери берип атыр. Бурын ашықтан-ашық пул беретуғын еди. Ҳәзир "саўға" деп костюм-шалбар беретуғын әдетти шығарыпты. Дәслепки жыллары қой беретуғын еди. Ҳәзир түйе таўық. Қайтама "қайта қурыў" дәўири басланып, бизлердиң дәўлетимиз азмаз қайтты ғой. Бурынлары бахтымыз әдеўир бәлент еди. Бир айда бир машинаның пулын таўып, айлығымызды тынышлық фондына өткизетуғын едик.
- Енди барағойың, аўқатыңыз суўып кетер, - деди Қасым, врач жигиттиң ендиги сөзлерин еситкиси келмей.
Бирақ Нуржан бирден қызып кеткен еди.
- Неге барады екенбиз. Операция сәтли шыққаннан кейин азмаз коньяк ишкенимиз ырас. Сизлер жүрегиңиз аўырып жатқаныңыз бенен жүректиң қандай болатуғынын да билмейсиз. Бизлер болсақ оны ҳәр күни баллардың ойыншығындай етип услап көремиз. Билдиң бе? Соның ушын да ара-арасында азлап арақ ишип турмасақ болмайды.
- Лекция оқып болдыңыз ба? Жүр, енди кетейик, - деди Алланазар истиң насырға шабайын деп турғанын сезгендей.
- Жоқ! Мен еле лекция оқып болғаным жоқ. Врачларға бағынбайтуғын адам болмайды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
15. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

14 Nov, 02:14


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Биреўиниң алдына шығып: "Мен Дүйсенбай қассаптың қатыны едим, маған Ташкентке бир билет керек" деп неге айтпайсаң.
Егер жүдә келиспесе бар ғой, анаў гөне қаладағы Қыдырбай қассаптың үйине бар. Тап жақында ғана еситтим, ҳаялының туўысқан бөлесиниң дайысы аэровокзалға кассир болып тайынланыпты. Бир питкерсе тап сол Қыдырбай питкерер. Өзи де мениң өл деген жорам.
- Бай-буў! Самолетке билет алыў дегенде үлкен сәббе болып кеткен екен-дә, - деди Өтемис тоқпақ жиликти асықпай кемирип атырып.
16.
Түстен кейинге таман палатаның ишинде әдеўир тынышлық ҳүким сүрди. Таза ҳаўада кеселхана әтирапын гезип қайтқан Қасым кроватына келип жатты да Бартольдтың "Туркстан тарийхы"н оқый баслады.
Усы ўақытта сырттан Алланазар кирип келген еди.
Екеўи және де апақ-шапақ болып қалды. Алланазардың таўып келген жаңалығы сол: кеше кеште телевизорда бир өзбек драматургиниң пьесасын берипти. Онда бир мектепти питкерип шыққан жигитлер, биреўи колхоз баслығы, биреўи муғаллим, және биреўлери врач, механизатор. Қулласы, онлаған адам өзи оқып кеткен мектептиң жайына жыйналып бирин-бири судлайды екен. Бул судтың айыплаўшылары да, қорғаўшылары да тек өзлери болған.
- Жүдә тәсирли екен. Мен телевизор алдында отырып, өзимди тутып тура алмадым. Себеби, адам баласының жаслықтағы әрманы, ўатанды, халықты сүйиў соныңдай тәсирли берилди, - деди Алланазар.
- Бундай тәсирли шығармалар көп ғой. Халық жаңа ғана есин жыйнады. Ел тәғдири ҳаққында еркин пикирлер айтылып атыр.
- Сонда қалай ойлайсаң. Соншама ҳүждансызлықтың бәрине халық көнип отыра бергенбекен?
- Болмаса-ше? Халық тәғдирин ойлаўшы интеллигенция емес пе? Интеллигенция әззи болып қалған болса, халық не қылады?
- Сонда да бул кемшиликлерди өз ўақтында дүзетиўимиз керек еди.
- Ҳаў, қалайынша дүзетесең. Әмелдардың ҳеш бири ойланып ис қылған жоқ. Барлығының талабы тек жоқарыдан келген буйрықты орынлаў болды. Бир сыйыр еки бузаў туўыўы керек десе де "Ләббай" деп жуўап қайтарады. Бизиң кадрларымыз ойланып ис қылатуғын адамлар емес, бәлки роботларға айланып кетти ғой.
- Сонда бир сыйырдың еки бузаў туўа алмайтуғынын дәлиллейтуғын бир азаматтың табылмағаны ма?
- Табылды. Бирақ олардың жағдайлары жақсы болған жоқ. Жақ жарыстырған адамлардың үйи өртелип, тартысқан азамат тосаттан аварияға тап болды. Бул ислердиң барлығы тосаттан болған, деп ойлайсаң ба?
- Яқ, барлығының тәғдири де адамды исендире бермейди.
- Мен де солай ойлайман.
Усы ўақытта есик қыя ашылды да палатаға Нуржан кирип келди. Бул жигит те кеселханадағы белгили врачлардың бири еди. Өзи жаман жигит емес-тә, бирақ қулқыны кеңирек, деп айтысатуғын еди адамлар.
Нуржанның қолы шыпалы еди. Ол көп ғана адамларға өмир бағышлаған. Бирақ оның бир жаман әдети, аўырыў сол ўақыттың өзинде-ақ тез операция талап етип турса да, оған жаны ашығандай әменгери табылмағанша операцияны басламайтуғын еди.
Ол гейде адамлардан пул да талап етеди. Буған ҳешким қарсылық та етпейди. Себеби баўыр етинен айрылып, езилип турған ҳәрқандай адам оның алдында өзин миннетдар санап, Нуржанның еркин ҳәрекетлери менен ҳешқандай есапласпайды. Қайтама усындай талантлы бир врачтың операция ислейтуғынлығына қуўанып, тапқан-тупқанын ҳеш қандай аямайды.
Дүньяда адамның жанынан шийрин нәрсе жоқ. Жан ушын ҳәрқандай адам бар нәрсесин ортаға төгип таслаўы да турған гәп. Соның ушын да оның мийнетин пара менен байланыстырыў да қыйын шығар. Бирақ жәмийет алдындағы заң, адамзат парызы болған ҳүждан деген сөз бар. Нуржанның ҳәрекети бул екеўине де қарама-қарсы еди.
Соның ушын да Нуржан кеселхана врачларының арасында әдеўир абыройлы еди. Бирақ операцияларды бәне етип, кейинги ўақытлары көбирек ишетуғын болған. Бүгин де азмаз ишип алған екен. Палата ортасына келип, теңселип тоқтады.
- Алланазар Мәўленович! Сизди излемеген жерим қалмады. Қай жерге барсам "жаңа шығып кетти" дей береди. Ақыры, зордан таптым ғой.
- Не болып қалды, сонша?
- Әй, ондай үлкен өтинишим жоқ.
Кешеги Қоңыраттан келген кисиниң баласының жанын зордан алып қалдым. Ақыры, бул сәтли шыққан жүзинши операция.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
14. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

13 Nov, 02:07


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Ал, жулқынып жумыс ислеп атырған ўақтында "шайыңды иш" деп шақырған ҳаялының даўысын да жақтырмайтуғын болып қалған.
Қасым әдалатсызлықты сүймейтуғын, егер биреў орынсыз сөз сөйлесе, туп-туўры бетине айтып, сол жерден бирден шығып кететуғын әдетлери бар еди. Бирақ кеселхананың да өз заңы бар екен. "Мениң пикирим бундай" деп аўырыў адамлардың зейнине тийип те болмайды. Солай болса да бул жерге келгеннен кейин Дүйсенбайдың бир парықсызлаў даўрықпа жигит екенлиги, Өтемис болса өз исине әдеўир писик, тек өзиниң ғана пайдасын ойлайтуғын, өзгелер шуқанаққа жығылып атырса да жоқарыда турып рәҳәтленип күлетуғын адам екенлигине көзи жетти. Жумабай да жаман жигит емес екен. Бирақ соңғы ўақытлары өз қолынан адасып барып тәўбеге келипти. Тек түнде де, күндиз де орнынан қозғалмай жата беретуғын Төребайдың қандай пикирдеги адам екенлиги белгисиз. Мүмкин, бул адам да бир күнлери өз дәртин сыртқа шашып таслар... Асан әдеўир ақыллы жигит екен.
Қасым да өзиниң палаталас досларына көп ғана гүрриңлер айтып берген. Бирақ буның гүрриңлери көбирек илимий тийкарда болғаны ушын да олар әдеўир аўыр қабыллайды. Соның ушын да ол кейинги ўақытлары кроватына жатып, өзи менен өзи сырласатуғын әдисти ойлап тапты.
Бүгин де ол тап сондай болды. Кроватында шалқасына жатып, илим кандидаты деген атақты алыў ушын жақланған диссертацияның дәслепки күнин ойлап кетти.
Бул күни ол соншама қуўанышлы еди. Академияның конференцзалы адамларға лық толған. Москвадан да ҳәм басқа қалалардан да айырым алымлар келген. Қасым соншама аламанның алдына өзиниң илимий жаңалықларын баянлаўға тийисли еди.
Диссертация басланбастан бир саат бурын оны Мурат Мухамедович өз кабинетине шақырды. Қасым үш жыл бойы дерлик бул данышпан алымнан талай консультациялар алған. Қыйналған ҳәм қуўанған ўақытлары да жүдә көп болған еди.
- Диссертация адам өмиринде бир тойға усаған қуўанышлы нәрсе болғаны менен оның қыйыншылықлары да көп, - деди академик. - Бүгин жумысың таяр болған екен. Демек, қыйыншылықтың бәри де артта қалды. Сонда да өзиңди беккем тут. Теманың үлкен-кишилиги жоқ. Бирақ ҳәрқандай диссертацияда қойылған проблеманың уллылығы ҳәм әззилиги бар. Бүгинги илимий советке алымлар көбирек жыйналып атыр. Демек, қызығыўшылық көп. Халық өз тарийхын умытқан. Бирақ оның ерте дәўирин жигирма алты жасқа енди ғана келген әллеқандай бир жас алым ашып көрсетпекши. Бүгин мен саған үлкен табыслар тилеймен. Бирақ асықпа, албырама, деп тәселле берген болды.
Академиктиң бул сөзлери шынында да Қасымды руўхландырған еди.
Соңынан илимий кеңес басланып кетти.
Минберге көтерилген Қасым дәслеп әдеўир албыраған болса да, соңынан өзин оңлап алды.
Буннан кейин диссертацияның баҳалаўшысы Ўатан Моллабаев шығып сөйледи де диссертация бир аўыздан қабылланды. Қасымның қуўанышында шек жоқ еди.
Қасым ҳәзир солардың бәрин де үлкен қуўаныш пенен еске түсирип атыр.
15.
Кешке жақын палатада жатырған жигитлердиң бәри де толық жыйналды. Дүйсенбайдың үйинен үлбиреп пискен қойдың гөши келген еди. Бирақ азанда тура сала биреў менен сөз алысып қалған ба, әйтеўир келиншегиниң кейпи әдеўир өзгерген еди.
- Не бәле болып қалды. Тап тоқсанның бултындай түнерип. Дүньяны таўып отырған сен емес, мен ғой. Буншама адамлардың аўқатын қарақан еткениң не? Мәлийка жүзиңди көрмегенимиздиң өзине он күннен асып кетти. Мен сени сағынып келген шығар десем, қабағыңды қарса жаўып алғаның не?
Ҳаял бирден қысынып кетти. "Бийтаптың жағдайын сорап атырып, бетиңди бүристирме" деген. Шынында да, өзинде болған қолайсызлықтан кеширим сорағандай, ҳәммеге жалтақ-жалтақ қарап шықты.
- Қабағымды қарыс жаўып не қылайын. Ташкентте оқып атырған қызы келип еди. Соған бес күннен берли билет билет таба алмай күйип-писип атырмыз.
- Қандай билет? - деди Дүйсенбай.
- Мынаў айырпалан дейме-аў, ушпа дейме-аў, әйтеўир аспанға ушатуғын билет.
- Самолеттиң билети ме? Әй, соны да сөзим бар деп айтып отырсаң ба? Егер аэропортта еки летчикти ушыратып қалсаң соның биреўи тарийх факультетин сырттан питирген болып шығады. Алпамыстай еки жигит тап мениң менен қатар питкерип шықты.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
13. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

12 Nov, 02:10


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
- Улыўма саған кеңесим сол балам... арақ ишиўге болмайды.
- Мен арақ ишкеним жоқ, Анна Васильевна.
- Мүмкин емес, жалған сөйлеме, балам. Мениң көп жыллық тәжирийбем бар. Шәригүл, - деди есик бетте солдаттай қатар турған медсестраны шақырып. - Кеселханаға сырттан алып келинген аўқатларды неге тексерип турмайсызлар. Аўырыў арақ ишкеннен кейин оны қалайынша даўалап болады!
- Барлық аўқатларды көзден өткерип турмыз, Анна Васильевна. Палатаға ҳешкимниң де арақ алып келгенлиги байқалмады.
- Басқаңызды билмеймен, ал мен болсам арақтың ийисинен түни менен уйықлай алмадым, - деп тоңқылдады Төребай.
- Түсиникли... Қәне, түсиндирип бер. Не ушын кеселханада жатып арақ иштиң?
- Кеширерсиз, Анна Васильевна. Буған өзим айыплыман. Қыймас бир достым бар еди, сол ҳәкисине кеше бир шийше арақ алып келген екен. "Аттай болып кетипсең, қәне, елли грамм ишейик" деди. Мен дәслеп қарсылық билдирдим. Соңынан кеселхананың мүйешиндеги теректиң тасасында отырып иштиқ. Тап түни менен уйықлай алмай шықтым. Врачларға да айтыўға қорықтым.
- Әне, ақыбети қандай болды?
- Енди қайтып арақты аўзыма алмайман, Анна Васильевна. Сизге сөз беремен.
- Сөз бергениңиз жақсы. Бирақ бизлердиң мийнетимизди күйдирдиңиз.
Анна Васильевна басқа үндемеди. Ол және өз жумысын даўам ете баслады. Қасымның да, Төребайдың да аўырыўының бағдарын өзгермели, деп тапты. Қасымның қапталында узақ турып қалды.
- Кеширерсиз, сизиң кәсибиңиз қандай?
- Алым.
- Мен де солай шығар, деп ойлап едим. Сизге берилетуғын дәрини өзгертиў керек. Себеби, сиз көбирек ойланыўшы тайпаға киресиз. Арақ ишкенди тоқтатыў мүмкин, бирақ ойланыўды тоқтатыўға болмайды.
- Рахмет, Анна Васильевна, - деди Қасым.
Доктор Дүйсенбайды да, Өтемисти де қайта-қайта тексерип көрип:
- Жағдайыңыз жақсы екен. Енди еки-үш күннен үйлериңизге қайта берсеңиз де болады, - деген сөзди айтты.
Анна Василеьевна ҳәммени көзден өткизди де, есиктен шығып кетиўге қолайласты.
"Еки күннен кейин үйиңе қайтасаң" деген сөзди еситип, әбден қуўанып кеткен Дүйсенбай:
- Я қуда, үйге барып арақты тойып ишетуғын күнлер де бар екен ғой! - деп палатаны басына көтерип, пружиналы кроватқа өзин таслап бүккесинен түсип қатты қуўанып сөйлеп атырғанын қулағы шалып кеткен Анна Васильевна есиктиң тутқасын ашып болып кейнине қарады ҳәм:
- Соны ядыңызда тутыңыз, егер енди арақ ишетуғын болсаңыз, сизге үй де, кеселхана да несип етпей қалыўы мүмкин. Ол солай деп айтты да сыртқа шығып кетти.
- Буншама суўық сөзди айтты, доктор апай, - деди Дүйсенбай, - Ақыры моторы ремонттан шыққаннан кейин машина деген қандай гедир-будыр жол болса да жүрип кете бермей ме? Қәне, айтшы Жумабай иним, моторы ремонттан шыққан машина қумнан-тастан жүре ала ма?
- Жүреди.
- Әне, болды. Бизлердиң ремонттан шыққан жүрегимиз де арақты биймәлел қабыл ете алады.
- Ҳаў, өтағасы, ақыры ол техника, ал сиз адамсыз ғой, - деди Асан.
14.
Соңғы күнлери Қасым өзин әдеўир жақсы сезди. Басының аўырыўы қайтқан есабы. Сонда да алым адамның азмаз кеўли жай болса бирден гибирдиклеп қалатуғын әдети бар. Қасым да тап сондай болды. Биреў менен узақ әңгимелесип қалса, тап өмири босқа кетип баратырғандай тыпыршылап, блокнотына әлле бир нәрселерди түрткилеп, көпшиликтен бөлиниңкиреп жүргенди қолайлы көре береди. Гейде қағазға түсирмекши болған ойлары басына сыймай баратырғандай, көз алды қанталасып келип кишкене тумбочканың алдына келип, қағаз алып, ананы-мынаны түрткилеп жазған болады. Бирақ илим деген пүткил дүнья менен сырласыў арқалы туўылады. Ал бул жерде болса әлемди көз алдыңа алып келетуғын китапхана да жоқ. Доктор да, медсестра да егер көрип қалса көбирек жазыў менен шуғылланғаныңды жақтыртпайды. Оның үстине палатада көп адам туратуғын болғаны ушын, биреў қосық айтып, биреў радионы қаттырақ қойып атырғаны. Демек, Афлатунның өзи болсаң да бул жерде илим менен шуғыллана алмайсаң. Соның ушын да өз ермеги өзи менен болып жүрген Қасымға бул жер әдеўир қыйын болды.
Қасымның адамларға көп араласқысы келетуғын ўақытлары да көп болады. Ол гейде белгили бир китапты жазып питкерсе, кеўли асып-тасып өз досларын излеп кететуғын еди.
(Даўамы бар)
t.me/BaxitliSaribaev
12. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

11 Nov, 11:37


Бес төбе илҳамлары

Бес төбе төбемди жеткерди көкке,
Қаладан қашықлаў елатдур көркем.
Қут-берекет дарытып даласына,
Сақый қуяш мийрим нурларын төккен.

Алтын гүздиң бир күнинде маған да,
Көриў несип етти гөззал елатты.
Бақлап тәбиятын толқып барғанман,
Бес төбе таўлары өзине тартты.

Ҳәп заматта бийледи жүрегимди,
Бес төбеге шықсам деген бир әрман.
Түсимпаз жол уққандай тилегимди,
Қыйналдырмай мәнзилге алып барған.

Сезилер басылған ҳәр бир қәдемде,
Бес төбе халқының жаңа дәўраны.
Қырманлы пасылда асты әмелге,
Бахытлы дыярды көриў әрманым!

11-ноябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

11 Nov, 02:15


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Туалетке баратырған кишкене баламды ийт талапты. Ашыўшақ ийттиң тиси баланың тәнине зақым салды ма, я үлкен қорқыныштан бирден жүреги жарылды ма, әйтеўир балам бийшара сол күни қыйналып қазаланды. Буннан кейин мен шыдап тура алмадым. Ийтти аттым. Ертеңине "атам" және бир ийт алып келип берди. Буннан кейин туалетти басқа жаққа өзгерттик.
Бәрибир ҳаялым маған наразы болды.
- Жумабай, сен үйге дүмпешик емес, бахытсызлық алып келдиң, - деп еки ийни солқылдап жылар еди ол.
- Қысқарт! - деп бақырдым мен.
- Қысқартпайман! - деди ол.
- Азмаз сабыр ет, - деп жалындым мен.
- Алтын бар жерге ҳәтте периштениң өзи жақынлай алмайды.
- Жоқ! Мийнетсиз табылған алтын ҳәмме ўақыт бахытсызлық алып келеди, - деп жер тоқпақлады ҳаялым.
Соның арасынша "атам" қамаққа алынды. Ал, мен болсам түни менен уйықлай алмайтуғын бир аўыр кеселге жолықтым. Түни менен ҳаўлығып бақырып шығатуғын әдетти шығардым. Көзиме ҳәр түрли бәлелер көринип, ҳаялым менен де көбирек мәлеллесетуғын усайман.
- Бүйтип дени саў "жилли" менен жасағанша бир күн болса да үйиме барып дем алайын, - деп төркинине кетип қалды.
Көп узамай-ақ прокуратурадан адам келди.
- Жас уллыңның таслап кеткен аманатын қайтып бер, - дейди. Мен:
- Ондай аманатты билмеймен, - дедим.
Қолыма "атам"ның жазған хатын тутқызды. "Атам" жазыпты:
"Жумабай иним, мийнетсиз табылған пул ҳешкимди де жалшытпайды, деп айтысатуғын еди қарыялар. Сол дурыс болып шықты. Енди қырсықланғаннан пайда жоқ. Аманатты сорап барған адамлардың өзине тапсыр. Атаң".
Мениң келген адамларға жуўап қайтарғандай да шамам келмей қалды. Ийт астындағы дүмпешикти ғана бармағым менен шошайтып көрсеттим. Соңынан шалқа ортама қулап түсиппен. Ертеңине қарасам, усы кеселханада жатырғанымды ғана сездим. Әне, жасы үлкен, бизиң аўырыўдың жағдайы усындай, - деди Жумабай қапталына бир аўнап түсип. Қасым оған басқа сораў бермеди. Ол шынында да өз жүрегин кемирип атырған дәртин айтқан еди.
Адамлар: "Байлық - бахыт" деп айтысады. Бирақ буның да изи ойран екен. Мына әпиўайы ғана шофёр жигит солардың бәрин дәлиллеп көрсетип атырған сыяқлы еди. Қасым тек сол нәрсени ғана сезген еди, дүньяда мийнетсиз ҳешқандай бахыт болмас екен.
13.
Азанда палатаға Анна Васильевна Андреева келди. Ол дем алысқа шыққан болыўы итимал. Бир ай даўамында бул жерде көринбеди. Соның ушын да ҳәр күни кеселхана алдына топланысқан бийтаплар жабырласып:
- Андрееваға көриниўим керек еди. Пай, шатақ болды да. Дем алысқа кеткен екен, - деп өзлеринде налыған түр билдирип жүрди.
Соның ушын да оның бул жерде тосаттан пайда болыўы барлық наўқасларға да үлкен қуўаныш алып келген сыяқлы еди. Оның бул жерде атағының соншама көтерилип кетиўиниң де үлкен себеби бар.
Анна апай Рязаньда туўылған. Студентлик дәўири урыс жылларына туўра келген докторлық тәжирийбесин бир мың тоғыз жүз қырық үшинши жылы Курск қаласынан баслап тап Берлин қаласы алынғанға шекем дала госпиталларында даўам еткен.
Соңынан Орайлық Азияда доктор қәнигелердиң жетиспеўшилиги есапқа алынып, Қарақалпақстан перзенти болып қалды.
Соның ушын да ол бул жердеги барлық докторлардың устазы еди. Оны бул жерде ҳәмме жақсы көреди, ҳүрметлейди ҳәм консультация сораўдан жалықпайды. Анна апаның көп жыллық практикалық хызмети оның ҳәрқандай аўырыўға да бирден алжаспай диагноз қойыўына жәрдем беретуғын еди.
Ол тап палатадағы адамларды бурыннан-ақ таныйтуғындай жыллы жүзлик көрсетип, ҳәрбир наўқас пенен сәлемлести. Соңынан қолындағы қобдыйшасын тумбочка үстине таслады да ҳәрбир аўырыўдың жағдайын тексерип көре баслады. Ол басқа врачлар сыяқлы жылан ийрек түтикшени ислетпеди. Ҳәрқандай наўқастың билегин бир майдан услап турады да кеселиниң жағдайы қайсы дәрежеде екенлигин сайрап айтып береди де отырады.
Нәўбет Жумабайға келгенде Анна Васильевна әдеўир иркилип қалды. Қан басымын тексеретуғын әсбапты алып, оның билегине салды. Аўырыў тарийхы қағазын қолына алып көрди. Бир майдан ойланып отырды да басын шайқады.
- Бизлер болсақ сизлердиң бахытлы болыўыңыз ушын гүресемиз. Ал, сизлер болсаңыз... - деди өкпелеген пишинде.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
11. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

10 Nov, 06:36


Минайым
(Муашшақ)

Минезиңиз сүйсингендей мүлайым,
Инсан аты менен туўылар екен.
Нурлы қәлбиңиздиң теңсиз шырайын,
Алламыз ардақлап сизге сый еткен.
Йош-илҳамым қайнаўытлап жырлайын,
Ырас, журт аўзында аталып өткен,
Мың жыллардан берли гөззал Минайым!

10-ноябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

10 Nov, 02:07


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Журттан жасырып жүрген бир сырым бар еди. Соны саған айтпақшыман.
- Сыр... Ол қандай сыр?
- Билесең бе, юристлерде сондай бир ҳикметли сөз бар. Яғный: "Қанхор адамды ҳәмме ўақыт оның кийими әшкара қылады".
- Ҳәзилиңизди қойың. Сиз ҳешқандай қанхор емессиз.
- Туўры. Мен қанхор емеспен. Бирақ қарақшыман.
- Қарақшыман?
- Аўа, сен де қарақшысаң.
- Қалай?
- Өйтип өзиңди билмегенге салма. Қәне, айтшы, автобазадағы қайсы бир шофёр сеннен кем мийнет қылады?
Мен үндемедим. Баслық сөзди және баспалатты:
- Неге сонда оларда "Волга" машинасы ҳәм он қабат жайы жоқ! Демек, солай екен, бизлер екеўмиз де қарақшымыз. Ал, қарақшының кийими болса пул. Есапсыз пул ҳәрқандай қарақшы ушын да гүўа бола алады.
- Менде ондай есапсыз пул жоқ ғой.
- Қорқпа! Сен еле атақлы қарақшы емессең, - деди баслығым. Өзиң болсаң әпиўайы шофёрсаң. Бәлки сениң үйиңди тинтпес.
- Еле үйлерди де тинтип көре ме?
- Болмаса-ше? Саған ҳеш нәрсе болмас та, бирақ меники шатақ.
- Пулларың сонша көп пе?
- Көп ғой. Гәптиң посгеллеси сол, сен мениң пулларымды сақлап бересең! Үйиңниң қапталына апарып көм.
Мениң көзлерим бирден атласып кетти. "Жерге көмилетуғын пул әнейи болмайды. Бул пул бир күни басыма жетпесе болар еди, мениң".
- Ҳаў, оннан да сизиң үйдиң қапталына көмгенде не қылады? - деп жибериппен бирден. Жас үлкеним бирден ашыўланды.
- Есиң барма өзиңниң. Мен болсам қуўдаланып, судланайын деп атырған адамман. Сондай адамның есигиниң алдына пул көмип бола ма? "Арық ийтти асырасаң аўзы мурныңды қан етеди" деп еситип едим, тап сол туўры болып шықты.
Мен енди оған:
- Мәйли, - деп ыразы болмастан басқа илажым қалмаған еди.
Ертеңине жумысқа бармадым. Кладовканың қапталынан тереңирек етип бир қәндек қаздым да ишине гөне-көкси гилемлерди тасладым. Түн ишинде "Волга" менен зымырап баслықтың үйине бардым да, ҳәр биреўи сандықтай келетуғын төрт чемоданды ишине атып урып, үстине кийиз таслап көмип тасладым. Оның үстине шөп-шарларды ысырып таслап, адам елестирмесин деп қапталына еки жуўынды шелекти қатарластырып қойдым.
Үйге келип жата қойып едим, бирақ уйқым келмеди. Көзим илинип кетсе болғаны, уйқылы-ояў аўнап жатып "буған тийме" деп қапталымдағы ҳаялымды буўындыратуғын усайман. Ол да мениң бул ҳәрекетимнен қорқып, басқа жайға барып жатты. Сөйтип өзим шала өкпе болып жатырсам биреў әйнекти шертеди. Жүрегим ислемей қалып, бир майдан сессиз қалдым. Бир ўақытлары жаным алқымыма келип, сабақтай болып үзилип кетейин деп турған ўақытлары барып баслығымды зордан таныдым. Ол да мен бағана төрт чемоданды көтерип кеткен ўағымнан баслап уйықламапты.
- Биреўлер изине түскен жоқ па екен, деп сабырым шыдамады, - дейди.
Ол да ҳәкисине "көмген жериңди көрсет" деп турып алды.
Светти жағыўға қорқамыз. Таң қараңғысында қармалақланып жүрип, екеўмиз туалетке жақынластық. Барсақ ол жерде де бир адам барға усап көринеди. Бир адам бизлерге билдирмей қазбалап атырған ба екен, әйтеўир бизлер жақынлаған ўағымызда шелек даңғыр етип, белгисиз көлеңке сыртқа қарай серпилди.
Баслығым бирден-ақ сол жерде қулады. Әри-бери орнынан турғызып атырман, сес жоқ. Соның арасынша бизлерден сетем алған сары пышық арғы жағынан жол таба алмады билемен, бизлердиң қапталымыздағы дийўалға қарай секиреди.
- "Ата" орныңыздан турың, бул адам емес, пышық екен.
- Не дейсең? - деп бирден көзин ашты жас үлкеним.
- Мен әбден елеспесиз болсын деп, үстине жуўырды шелекти қойған едим.
- Ҳә, елеспесизлигиңниң садағасы кетейин. Тас болмаса бөтекем жарылып кетейин, деп еди ғой. - Костюмымның қалтасында волидол бар. Соны ал, - деди ол.
Ол волидолдың еки таблеткасын бирден атып алды да, бир майдан отырды. Соңынан ақша көмилген жерди бир майдан сыйпалап отырды да есиктен шығып кетти.
Азанда "атам" және ерте келди. Қапталында шынжырға байлап алған қасқыр ийти бар екен. Мен мәселениң не ҳаққында екенлигин бирден түсиндим. Үстине кишкене ғана кетек салып, ийтти сол жерге байлап қойдым. Ҳаялым бизиң үйде болып атырған жаңалықларды аз да болса түсингендей болды. Бирақ үндемеди.
Ертеңине бизиң үйде үлкен бахытсызлық жүз берди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
10. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

09 Nov, 01:59


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
- Шофёр деген айдың аяғында айлық алып турыўы керек, иним, - деди ол.
Шынында да, мен мен көп пулға дуўшакер болғаным ушын албырап, айлық алыўды да умытып кеткен екенмен. Ведомостқа қарасам үш жерде мениң фамилиям бар. Бириншиси - айлық, екиншиси - командировка, үшиншиси - сыйлық екен. Жәми жыйналғанда бес жүз жигирма сом. Бул ақшаның өзи де маған бийкарға берилип атырғандай қалтырап турып, зордан қол қойып, қалтама салдым.
Үйге келгеннен кейин де дым уйқым келмеди. Соңынан билдим, пулы көп адам ҳеш уйықлай алмайды екен.
Солайынша жумысым әбден жүрисип кетти. Шымкентке қатнағанның өзинен он мыңдай пайда көрдим. Ол жердиң суўынан пайда түспеди ме, бир күнлери адамлар Мың булаққа барғанды тоқтатты. Енди маршрутым пүткиллей өзгерип Қараўымбеттиң дузына қатнай басладым. Оның да пайдасы өз алдына екен. Соның арасында мийзан түсип, суў суўып қалды да бул маршрутымыз да тоқтап қалды.
- Енди автобустың саған кереги жоқ, - деди бир күни директор. - Аўыр жүк тасыйтуғын алты тонналық таза машина келди. Соны қабыл ет.
Маған салса автобусымнан сирә айырылғым келмес еди. Ярым жылдың ишинде Қарун байға айландырған берекетли машинадан қалай қол үзиўим мүмкин.
- Берекетли автобусымыз турғанда жүк машинасын не қыламыз? - деп көзим жәўтеңлеп директорға қарадым.
- Соңынан билесең...
Соңынан билгеним сол, бес тонналық машинаға қаўын тийеп, Шевченко қаласына апарып сатады екенбиз. Барыў ҳәм келиўим ушын еки мыңнан артық пул төлейди. Буны директор менен бөлистик. Бирақ нәтийжеси шеп болмады.
Ақыры, арадан еки жыл өтпей атырып-ақ Нөкистен сегиз бөлмели жай салып, аўылдан анам менен қарындасымды көширип алып келдим. Минезим де бирден өзгерип кетти. Директорымыз бенен бухгалтеримизден басқа адамды менсинбейтуғын бәлеге ушырадым. Меншигиме "Волга" машинасын сатып алдым. Үйлендим. Қәдирдан болып қалған директорымызды мурындық ата етип сайладым.
- Сен мениң ҳақыйқый "баламсаң" деди ол.
- Сиз мениң әжайып "атамсыз" дедим мен.
Дәслеп баслық меннен пайдаланған болса, соңынан мен оннан да көбирек пайдаландым. Бара-бара жаңадан келген машиналарды да өзим бөлистире басладым. Дүнья деген тап бәҳәрги тасқын суў сыяқлы есигиме жапырылып кире баслады. Үйимниң алдындағы тротуарға шекем гилем төседим.
Бул жағдайды көрген адамлар бирден ҳайран бола баслады. Өзи болса бир әпиўайы шофёр. Соншама дүньяны қаяқтан алады екен? Қулласы, ҳәммесине айтатуғыным тек бир аўыз ғана сөз:
- Мийўесин жең де, бағын сорамаң. Қулласы, қайда жүрсем де жас үлкенимниң қасынан қалмадым. Курортқа барса да, командировкаға барса да, қапталында чемодан көтерип жүретуғын мен едим. Пулдың күши өз атасын танытты. ЗИЛ лер заводтан шығыўы менен-ақ бизлерге зытқып, МАЗ лар бирден мол-молақай болып кетти де, ПАЗ лерди өз пайдамызға жумсадық. Планлар еки жүз процент орынланып, костюмымыздың жағасы орден, медальға толып кетти.
Усылайынша арадан он бес жылдай ўақыт өтти. Бизиң мол-молақай дүнья табыўымыздың төркини де журтқа мәлим болып, елимиз бойлап қайта қурыў самаллары есе баслады. Жас үлкеним қатты албырап қалды. Бурынғыдай белшеринен батырып мийман күтиў жоқ. Жоқарыдан адам келсе еплеп "Нөкис" мийманханасына жайғастырып, тийип-қашып ресторанда аўқатландырып қайтарып жүрдик. Өз мийманханамыз болса бала бақша болып кетти. Жас үлкенниң жәрдемшиси деген әмел бирден жоқ етилди де автобазаға келген таза машиналардың биреўин минип, рейске шығып кеттим. Бир күни жас үлкеним мени үйине шақырды. Бир қозының гөшин емин-еркин жеп отырып, екеўмиз өзи қайттыға арақ иштик.
- Аўҳалым жүдә жақсы емес, - деди ол өзинен өзи ыңыранып. - Тигистиң алды бети сөтилсе, кейни қай жаққа барар еди. Таянғандай тирегим де қалмады.
- Тирек қалмағанда не? Аяқ-қол саў. Ҳәзирги тоқшылық заманда аштан өлип атырған адам бар ма?
- Сен мәселениң басқа жағын айтып кеттиң. Мен енди қайтадан туўылғанымда жүдә басқаша адам болар едим, деген екен биреў. Бизлерде тубалаў дәўиринен жүдә жаман дақ қалған.
- Ол қандай дақ?
- Билип турып билмегенге салма, - деди ол. - Мениң сеннен артық достым да, перзентим де жоқ.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
09. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

08 Nov, 01:56


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Шымкенттен сондай бир суў табылыпты. Тап баўыр менен бөтекеңди бинайыдай етип жиберетуғын усайды. Соған барыўға тилек билдирип, қаланың көп адамы жыйналады екен. Бирақ машина таба алмай атырған көринеди. Саған бекитилген машинаны тек соның ушын ғана ажыратып отырман. Айына төрт рейс ғана қатнасаң болды.
- Адамларға билет беремиз бе?
- Оның атын айта көрме. Сен не, билет кесип, автобус паркинде ислеп атырсаң ба? Бул жүк машиналарының автобазы ғой. Соның ушын да сен автобаза хызметкерлериниң бала-шағаларын Мыңбулаққа апарып қайтып жүрген шофёр боласаң. Үлкен автобаза болғаннан кейин шофёрлардың семьяларына да хызмет көрсетиўимиз керек. Соның ушын да сен усы жумысқа бекитилген боласаң. Себеби сениң айдайтуғын машинаң шофёрларды түнде үйине апарып таслайтуғын нәўбетши автобус. Ҳәзир түнде үйине қайта алмай жүрген шофёр бар ма? Бәри машинасын жайының қапталына қойып, гаражға азанда келеди. Ал, сен болсаң астыңдағы машинаны өз мүлким деп есаплай бер. Пайдасын бирге бөлисемиз. Шымкентке барып қайтатуғын ҳәр бир адам елиў сомнан төлейди екен. Ол жерде тек бир сутка ғана боласаң.
Ал, мен болсам бул сөзлерди еситип, қалтасында бир тийини жоқ адамның қағаз шығар деп, қабат-қабат пулға соқлығысып қалғанындай бирден ҳаўлығып қалдым.
- Оннан кейин, - деди директор және сөзин созып. - Жолда талонға бензин бермейтуғын таўназарларда табылады. Пискен асқа жаў көп дегендей, бул күнлери автоинспекторлар да өз исине писик болып кеткен. Ондай жерде жалынып-жалбарынғаның менен пайда жоқ. Тек қолына шаппаттай ғана қызыл қағаз услатып ҳақынан шығасаң. Соның ушын да бундай жумысларға тек еки жүз елли манат ғана сарплаўға руқсат етемен. Қалғанының ҳәммесин мениң алақаныма әкелип саласаң.
- Яқшы, - дедим мен.
Директор мениң жумысларыма таўдай табыслар тиледи де сол жерде хошласты.
Буннан кейинги жумыстың бәрин де сол бас бухалтеримиз Бухарбай аға өз қолына алды. Бир майданның өзинде-ақ қолыма командировка, жол қағазы, жанар май талоны - бәри берилди.
Соңынан таза автобустың рулине отырдым да, Бухарбай ағаны жаныма алып, қапталы бийик дийўаллар менен қоршалған зәўлим бир ақ жайға машинамды ыңырандырып айдап жетип келдим. Берги жағында үш қабатлы бөлек бир жай бар екен.
Көримсиз ғана кишкене бир бөлмениң өзи ғалы-гилемлерге толып кетипти. Аяқ астындағы қырғаўылдың пәриндей қызғыш дөнип турған гилемди басыўға ийбениңкиреп, ишки бөлмеге көзимниң бир қыйығын салып едим, алжасып жүрип, бир сарайға кирип қалғандай дизелерим қалтырап кетти.
- Бухарбай аға, бул қараўылдың бөлмеси емес, бизлер алжасып басқа жаққа кирип кеткен болсақ керек.
- Бул қараўылдың бөлмеси, - деди Бухарбай аға. - Егер ана жайға бир кирип көрсең бөтекең жарылады. Бул негизинен қараўылдың жайы деп аталса да, баслығымыз бәрҳама тап усы жайда ўақты хошлық етеди.
Сениң таза қонысқа көшип келгениң ушын азғантай ишейик, иним, - деди Бухарбай аға.
Коньяк бойыма сиңип, түни менен тастай қатып уйықлап қалыппан. Таң атып кеткенлигин сезип, бирден ояндым.
- Я ҳәзирети Мыңбулақ! Өзиң яр болғайсаң, - деп жолға шықтым.
Қалтамда пулым көп, кеўлим тоқ еди. Ақыры, командировканың мүддети питти де автобусымды дәрўазаның ишиндеги шертекке қамап, жолдан баўы үзилип, баспақханаға тасланған бир оқыўшы баланың папкасын таўып алдым да, ишин ақшаға толтырып, аяғымды аннан-саннан басып автобазаға бардым. Директор өзинде екен.
- Мине, сегиз мың сом пул, - деп алдына жаман папканы атып урдым.
- Маған қатты унап киятырсаң, бала, - деп қарнын селкилдетип бир күлди директор.
Сол ўақыт папкадағы ақшаны тең бөлди де жартысын сейфке сүңгитип жиберди. Ендиги қалған пулды еки мыңнан екиге бөлди де Бухарбай ағаны шақырды.
- Мийнетлериңиз бар еди, - деп бир бөлегин маған ҳәм бир бөлегин оған усынды.
Бир айдың өзинде үш ярым мың сомға ийе болып қалғаныма исенбестен, аяғым қалтырап мен турыппан.
- Бул қамыр ушынан пәтир, - деди директор. - Еле сизлер меннен де байып кетесиз.
Және маған сол жерде бир айға командировка жазылып, жол қағазы берилди. Сыртқа шығып баратырғанымда Бухарбай аға мени шақырды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
08. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

07 Nov, 16:48


Каналымызда Төлепберген Қайыпбергеновтың "Түсиниксизлер" романын бериўди нийетлегенбиз:

Әлленемирде "жетим қыз" намасына шыңқобыз шертти. Және бир гезде ыңылдап қосық айтты.
Шарқ ийирип шалалмадым, жеңгежан,
Оң ийнимди алалмадым, жеңгежан.
Анаў сүйген палўанымның отаўы,
Жүрексинип бара алмадым, жеңгежан!...
Даўыс оғада нәзик, жағымлы. Ерназарға қосылып пүткил әлем таңланғандай, айнала жым-жырт, шарқылдасқан тоғай шымшықларының үни өшти, жағаға шырпылдасып урып турған дәрья толқыны бирден семди. Бир жерде тоқтаса жер тепсинип, суўлығын ғашыр-ғашыр шайнайтуғын Ерназардың яўмытысы да қайшы қулағын тикирейтип, шекшийип қалды.
Қыздың:
- Хош, жалғыз ермегим, шыңқобызым, - дегени сол, суўға бир нәрсе шомп етти.
Ерназар "Бийшара қыз шыңқобызын неге таслап атыр екен?" деди де, әлле қандай түсиниксиз сырды сырттан бақлағысы келип, қамыс арасынан сығалады, бирақ ҳештеңе көрмеди.
Қыз және зарланды... Гәплерине қарағанда ол жетим, өзинен үлкен ҳәм атақлы жигитти сүйген, сүйген жигити оны түсинбейди, хабар алмайды. Соған аҳ шегип, бул дүньяға нашар қылып жаратқан қудайға налыс қылып жылады, ашықларға ҳүрмет жоқлығына, дүньяда бир-биреўге мүриўбет кемлигине, биреўди биреў түсинбейтуғынына күйинди. Және де даўысын күшейтиңкиреп биреўлерди мудамы жарлы, жетим, екиншилерди мудамы бай етип, биреўлерге күлки, екиншилерге көз жас берип қойған қудайды аямай ғарғады, өз сөзлеринен өзи қорққандай бирден дүнья менен хошласты:
- Хош, дүнья, хош, қуяш! Хош, гүзги жапырақлар, мен де сизлер усап солыйман! Хош, мениң шашларымды желпиген самал, хош, палўан!
Ол усыларды айтыўы мәттал, суў бирден шамбыр етти...
Ерназар ҳаўлыққанынан атын қамшылап жиберип шамбырлаған жерге келсе, бир қыз қоллары зорға көринип суўға шүмип баратыр. Ол ойланып турмай ат үстинен өзин суўға атты да, қызды тутып бир қолына көтериўи менен бир қыялап жүзип жағаға шығарды.
Суў әлле қашан суўыған еди, қыз жағада тислерин тислерине урып қалшылдап жатты.

Каналымызды бақлап барасыз деген үмиттемиз.
Бәршеңизге рахмет!

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

07 Nov, 01:56


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
- Аўа, екинши класс шоферман, аға.
- Онда үш күннен кейин кел. Ойланып көремиз.
Мен қатты қуўанып кеткен едим. Тап усы сааттың өзинде-ақ автобазаның шофёры сыпатында қабыл алынғандай жүрегим қарса айрылып, директорға көп рахметлерди жаўдырдым да кабинеттен шығып кеттим. Бул жаңалықты Жаңабай жорама жеткериў ушын дәрҳал үйине жуўырдым.
- Қымбат айтыпты, - деди ол.
- Қымбаты неси?
- Үш күннен кейин кел дегени, үш мың сом пул әкелесең дегени ғой. Ал, сенде ондай пул жоқ.
- Яғәй... олай емес шығар.
- Солай...
Мен бирден лотереясы машинп утып, қатты қуўанып, соңынан бир жеринен алжасық шығып, тәслим болған адамға усар едим.
Жаңабай маған тәселле бере баслады.
- Саған усаған шофёрларды олар көбирек излейди. Бирақ таныс болмағаныңнан кейин әлбетте қорқады. Соның ушын да еле де болса шертиңкиреп көрип атырғаны болса керек. Бирақ сен өзиңниң шынында да пулы жоқ адам екенлигиңди исендир. Қандай қыйын мәнзилге жумсасаң да бара алатуғыныңды айт. Жақсысы, сен түстен кейин автобазаға қайтып бар. "Ер мойнында қыл арқан ширимейди, аға, мен сизге үш күнлик емес, мың күнлик хызмет ислеймен" - деп жалын.
Мен түстен кейин және автобазаға қайтып бардым.
- Мен саған үш күннен кейин деп едим ғой, - деди ол.
- Үш күнге шекем шыдаўдың илажы болмады.
- Неге?
- Ўәй аға, мен бир жетим бала едим. Үш күнге шекем қатнатып не қыласыз. Мен сизге үш күн емес, мың күнлик хызмет ислеўге белимди байлап келип отырман. Ҳәзир жағдайым болмай турыпты. Соңынан тапқан-тупқанымның бәри де сизики болсын.
Директор күлди.
- Дәслепки адымың жаман емес... Бизиң автобазаның жумысы қыйын. Көбинше командировкада боласаң.
- Жүдә жақсы. Маған да кереги сол.
- Мейли, - деди директор. - Мен сени сынап көриў ушын жумысқа ўақытша қабыл етемен. Бирақ бизиң де саған қоятуғын шәртлеримиз бар. Мениң айтқан тапсырмаларымды өз ўақтында булжытпай орынлап турыўың керек. Есиңде болсын, тили қысқа адам ҳәмме ўақыт пал жейди. Ал, тили узын болса - таяқ. Демек, бизде ислемекши екенсең ҳәмме ўақыт аўзыңа беккем боласаң. Мениң айтқан сөзимди ҳәтте қатыныңа да айтпайсаң.
- Қатыным жоқ, - дедим мен.
- Қатыным жоқ... Қайсы көшеде турасаң?
- Үйим де жоқ. Аўылдан жақында келдим. Ағайинлеримниң үйинде ўақытша тураман.
- Онда нағыз биз излеп жүрген адамның өзи болдың ғой. Мен саған жай таўып беремен. Анаў жийделиктиң арғы жағында бизиң мәкемениң сатып алып қойған бир жайы бар. Оны бизлер "мийманхана" деп атап қойыппыз. Ташкенттен ҳәр кварталда бир қонақ келмесе, онша қонақ келип жарымайды.
- Мақул, - дедим мен.
- Оннан кейин бар ғой, - деди ол: - Мен саған өзимниң мөлдек автобусымды беремен.
Директордың бул сөзине оншама түсинбедим. "Мөлдек автобус" дегени неси? Бирақ бирден жайлы болып қалғанымды еситкенимде басым аспанға жетти.
Соның арасынша директор сырттан әллекимди шақырды.
- Танысып қойыңыз, бас бухгалтеримиз Бухарбай - деди директор. - Бунысыз бул мәкемеде бир төрели жумыс исленбейди.
Мен басымды сәл-пәл ийиңкиреп турып, оның менен сәлемлестим.
- Мынаў жигиттиң ҳүжжетлерин қабыл ал да, бүгиннен баслап бизде шофёр болып ислейтуғыны ҳаққында буйрық жаз. Анаў кишкене автобусты айдайды, - деди директор.
- Әжеп болады, - деп сыртқа шығып кетти. Мен де оның изинен шықпақшы едим.
- Сен усы жерде қал, - деди директор. - Соңынан барарсаң. Қулласы, ҳәзир маған саған усаған бир жигит керек болып турған еди. Мәмлекеттиң мүлки өз алдына. Өзиңди тойдырмай турып өзгени де тойдырыў қыйын. Директордың бир өзи пул таба алмайды, иним. Оның қасына да өзине тәбийий жанапайшылар керек.
Егер мениң айтқанымды қылсаң, ҳәр күни қазаныңда май қайнайды. Соның ушын да саған шылт жаңа машина берип атырман. Сени Шымкентке бир айлық командировкаға жиберемен. Бул жерде саған не бар. Ақаба суўлардың бәри қосылып, ашыған айрандай болып кеткен. Әмиўдәрьяның суўын ишип, бөтекеңди сызлатып жүресең бе? Мың дәртке даўа болатуғын Мың булақтың суўынан ишип қайт.
- Мен сонда Шымкентке не апарыўым керек? - дедим мен.
- Адам! - деди ол сөзин салмақлап. Шымкентке автобус толы адам алып барасаң.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
07. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

06 Nov, 07:59


Қазақ баўырыма

Муқағалий қосығын оқығанда сиз,
Мен айттым Ибрайымның жырларынан.
Ойласам сол мәўритлер екен теңсиз,
Қулақ салдық кеўилдиң сырларына.

Туўысқан ел қазақ ҳәм қарақалпақ,
Дослығы мың жыллыққа тақалады.
Арқада бой тиклеген еки дарақ,
Өнип-өсип жайылды шақалары.

Ҳақыйқат уқсаслығы тилимиздиң,
Тәғдирлеслик сыйланған жаратқаннан.
Сүйсинтер жақынлығы кеўлимиздиң,
Шынлықты сүйиўиңди унатқанман.

Халқым ядқа билгенлигин Абайды,
Аязий жақсылап тәрийиплеп өткен.
Ҳәр бир үйде қазақ жыры жаңлайды,
Қосықлар қаныма қарысып кеткен.

Еки елге теңдей әзиз Төлеген,
Танытты қазаққа Әмиў жағысын.
Поэзиясы сағыныштан дөреген,
Көркемлеп сызыпты сөздиң нағысын.

Шийрин сәўбетимиз басланып ақшам,
Дослық тарийхына аўдардық дыққат.
Заўықлы сырласыў таңға жалғасқан,
Сол демлерди сағынғаным ҳақыйқат.

6-ноябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

06 Nov, 02:00


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Өзи бир жерде отырып қалса, фермадан мал әкелетуғын да, оның басын үйтип беретуғын да, дүканға араққа жумсайтуғыны да мен.
Өзимиздиң аўылдың той-садақасы болса мәйли-аў. Түни менен тап Тахтакөпирге шекем шығынып кетемиз. Гейде Оспан ағаның бир өзи болса, гейде тап аўылда адам қоймай машинаға тийейди. Ўақыт ярым ақшамнан аўған ўағында және изге қайтамыз. Оспан аға кабинкада пырылдап уйықлап қалады да, ал мен болсам қолым сал болып, көзим гиртийип, аўылға зордан жетемен. Базда гедир-будыр жерге келгенде буйығып киятырған баслық басын мениң ийниме урып алады да:
- Ҳа бала, абайлап айда! - деп кийлигип қояды. Бул жағдай ҳәр күни қайталанады. Қулласы, қораз шақырып атырған ўақытлары аўылға зордан араласаман.
Машинадан тентиреклеп түсип атырған Оспан аға маған және тәртип береди.
- Бүгин совхозда ўәкил бар. Кешигип қалма, мен бир-еки саат мызғып аламан да және жолға шығаман.
Базда Оспан ағадағы жеңгей Базаргүл де тойға барады. Оның кербазлығы өз алдына. Аўылдың көп жеринде асфальт жоқ. Тап үлкен жолға шығып алғанға шекем ана сүтим аўзыма келеди.
- Әстерек айда, қыршын, - деп тоқпақтай мушын желкеме салып жибергенде оң ийним бирден уйып қалып зордан тарқалады.
- Мына уршық баслы бәлеңди былғаңлата бермей, жөнине айда. Болмаса ағаңа айтып, айлығыңды қырықтырып таслайман, - деп бадабат урып атырғаны.
Соншама қаралай өшип, рульден түспесем де айлығым сексен манаттан аспай-ақ қойды.
Бир күни Нөкиске көшип кетип шофёр болып ислеп атырған бир жорам қыдырып келип еди. Усы ҳәсиретлеримниң бәрин айтып, шағына басладым.
- Ўәй, ҳәзир Нөкисте еплеп машина айдайтуғын адамның өзи министриңнен қурғын турады, деп әбден майлы быламыққа батырды ол.
- Ырас па? - дедим мен.
- Еплеп автобазаның директоры менен келисип кетсең болды. Ақша деген аяқтың астында жатыр. Астыңа минген машинаңның өзи де өз мүлкиңе айланады.
- Астаўпыралла, ырас па?
- Ырас.
Өзим де Оспан аға менен келисе алмай жүрген едим, ертеңине мен де қобалжыдым. Асығыслы түрде баслыққа арза жазып тасладым да, "Нөкис қайдасаң" - деп өтә кеттим.
Жорам мени майлы быламыққа бирден батырып таслағаны менен де ол жерде жумыс таўып алыў да аңсатқа түскен жоқ. Бәри де бир майдан сөйлеседи де:
- Бир бәлең болмаса жумыстан шығасаң ба? Арақ ишип, машинаңды аўдарып алған шығарсаң, жумыстың ирети жоқ еди, иним, - деп жыллы сөз бенен ғана қайтарады.
Бир айдай сандалып жүрип, бир жас үлкенниң самқал машинасын айдаўға келистим. Айлығымның бурынғыдан ҳеш қандай парқы жоқ. Жас үлкенниң кеңсеси де үйине жүдә жақын. Өзи де әбден қартайған адам екен. Қақаң-суқаң менен иси жоқ. Ҳеш жаққа шықпайды. Тек азанда, түсте, кеште ғана тезликти қырқ-елиўден асырмай, коляскада тербеткендей етип үйине ҳәм кеңсесине апарып таслайман.
Бир күнлери баяғы жорам жанына шақырып алып айтты.
- Бул жер саған келиспейди, достым. Нөкисте жайың жоқ. Ҳәр күни ҳәр ағайиниңниң үйине "қудайы қонақ" болып жүрипсең. Алатуғын айлығың анаў... Аўылда болса шешең менен қарындасың: "аўзымызға ас салады" деп күтип отыр. Сен бул талапты қой. Оннан да автобазалардың биреўине барып, бир майлы-жиликли жер таўып ал.
- Қалайынша?
- Жыламаған балаға анасы емшек бермейди. Ол жағын енди өзиң ойланып көре бересең.
Соңынан және автобазаға келдим. Өзиңиз билесиз, ол ўақыттағы автобаза директорларының тәтарриги өз алдына, креслода керилип алып, жақын арада жаўатуғын булттай болып, ҳешкимди бетлетпей отырған директордың алдына зордан кирдим де, жыламсыраған адамдай жалына басладым.
- Аға, аўылдан қаңғалақлап қалаға келип қалған бир жалғыз баслы жигит едим. Еплеп айдағандай машина таўып берсеңиз, жақсылығыңызды ҳеш ўақытта умытпаймыз.
- Машина жоқ болып тур ғой, иним.
- Бир илажын тапсаңыз да, аға. Қыяметлик иниңиз болып қалар едим. Еситиўиме қарағанда жақында сизиң автобазаңыздан еки жигит армия қатарына алыныпты. Ал, мен болсам сержантпан. Екинши класс шофёрыман.
- Бул "мақаў" баллардың бизиң автобазадан кимлердиң жумыстан шығып, кимлердиң алынғанына шекем билетуғынына ҳайранман, - деди столды шертип.
- Так... Екинши класс... - деп узақ ойланып қалды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
06. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

05 Nov, 11:05


▪️ Жигирма төрт саатлық эфир

▪️ Қарақалпақстан радиоканалы 90 жылдан аслам ўақыттан берли халқымыздыӊ руўхый дүньясын байытып, елимиз турмысындағы еӊ соӊғы жаӊалықларды тыӊлаўшыларға оператив түрде жеткерип бериў жолында минсиз хызмет етип келмекте. Журналисттиӊ сөз саплаў шеберлигин арттырыўда, жаӊалықларды тәсирли, тартымлы ҳәм қызықлы етип ықласбентлерге жеткерип бериў шеберлигин меӊгериўинде радио дәргайы тәжирийбе мектеби хызметин атқарады. Көпшилик тележурналистлер дәслепки мийнет жолын радиодан баслап, сөйлеў мәдениятын жетилистирип, қәлемин өткирлестирип, соӊынан ел-халқымыздыӊ кеўлинен шығатуғын көрсетиўлерди таярлап, кеӊнен танылады.

▪️ Толық: https://qqjaslar.uz/4879.html

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi

Baxıtlı SARÍBAEV

05 Nov, 07:50


#Қарақалпақстан_телеканалы
#60_жаста

Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының гүллән дөретиўшилик жәмәәтин телеканалдың 60 жыллығы менен шын жүрегимизден қутлықлаймыз. Ел-халқымызға, телетамашагөйлерге мазмунлы, өмиршең ҳәм жақсы телекөрсетиўлерди инам ете бериўинде сарқылмас йош-илҳам, талмас күш-жигер тилеймиз.

@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

05 Nov, 02:00


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Бул шынында да Қасым ушын ҳешқандай күтилмеген жаңалық еди. Аты көпке мәлим болған академик әлле қандай бир аспирантқа Англиядан ручка алып келген болса?...
Мурат Мухамедович тартпадан табылған сырты жез, сары ручканы Қасымға усынды. Қасым оны академиктиң қолынан қалайынша алғанын да билмейди. Өзинен өзи қалтырап кеткендей болды. Оны жоғалтып алыўдан қорққан адам сыяқлы бир қолына қатты қысып алды да:
- Рахмет, мен бул ручка мениң илим жолындағы әжайып қуралым болады, - деп жүзи жадыраўы менен есиктен атылып шықты.
12.
Кеселхана палатасы - бул тосаттан пайда болған жәмийетлик жатақханаға усайтуғын еди. Бул жерге келген адамлар бирин-бири жақсы билмейди. Солай болса да тез ўақыттың ишинде бир-бириң менен танысып кете бересең. Арадан бир-еки күн өткеннен кейин тап бир семьяның адамларындай сырлас болып қаласаң. Тап олардың минезлерине шекем бир-бирине белгили болып қалады. Қасым да тап сондай болды. Палатада жатырған алты адам Қарақалпақстанның алты мүйешинен келипти...
Қасымның қапталында жатырған Төребай деген киси кеселханаға келгеннен бери бир аўыз төрели сөз айтып көрген жоқ. Оған ҳешким, ҳеш нәрсе унамайтуғындай тек өзи менен өзи болады да жүреди. Қасым бир мәрте оның менен сөйлескиси келген. Сонда ол:
- Не? Тергеўшимисең? - деп бирден қайырып таслады. Демек, бундай адамлар менен сөйлесип болмайды.
Оның арғы жағында жатырған Жумабай жас жигит болыўына қарамастан жүда ашыўшақ. Жигитлер менен онша әлпи алыса бермейди. Азаннан кешке шекем дәстанып жатып "Алпамыс" дәстанын оқыйды.
Қасым күндеги әдети бойынша бүгинги газета-журналларды көзден кеширип, әбден жалықты да жанында жатырған Жумабайға қарады.
- Жумабай иним, саған бир сораў бергим келип тур. Кеўлиңе келмесин. Сенде бул жапсақ қалайынша пайда болды? Өзиң болса Алпамыстай жигитсең? Қан басымы кеселлиги деген шоферлардың аўырыўы емес ғой.
- Буған тап өзим де ҳайран қаламан, аға, - деди китабын жаўып басына қойып атырып. - Шоферлық кәсипте не айып бар. Бәрине себепши болған нәрсе қулқын ғой.
- Қулқын деп бир сен складшы емессең. Яки бир мәкемениң баслығы болғаның жоқ, алжасып жүрип, қасымкер қағазларға қол қойып, изинде шатақ болып қалған шығар, деп ойлаўға. Арбаңды айдап, қосығыңды айтып жүре бермейсең бе?
- Ой-буў, аға-әй, арба айдаўдың да түри көп ғой. Бурын "машина менен күнине мың километр жол жүрдим" десе адамлар исенетуғын еди. Өзиңиз ойлап көриң. Ҳәр күни мың километр жолға пул төленсе қанша болады?
- Көп пул ғой.
- Әне аға, сол бизди аўыртып атырған. Соның сексен проценти өтирик. Мийнетсиз көп пул кимди аўыртпайды. Пул табыў ушын баслық болыў яки складшы болыў шәрт емес. "Бәле-қада қайда жоқ, бассаң аяқ астында" деген.
- Әйтеўир кеўлинде бир дәрти бар адамға усайсаң.
- Дәрт көп, аға. Қулласы, бул дәртти ҳеш кимге айтпаўға сөз берген едим. Бирақ та баяғыда бир шопанның "Искендердиң шақы бар" деп қудыққа бақырғанындай мен де биреўге айтып жүрегимди босастырмасам, кеўлим кеншийтуғын түри жоқ.
Солай етип Жумабай өз гүрриңин баслады. Қасым қапталына аўнап жатып, дыққат пенен тыңлады.
* * *
Урыстан инвалид болып қайтып келген әкем көп узамай қайтыс болды. Шамасы, мен сол жыллары туўылған екенмен. Урыста еки әжағам теңнен өлип, үйдиң машқаласы анам, мен ҳәм қарындасымның басына түсти. Мектепте жақсы оқыған болсам да, жаслайымнан тул қалып, жасқаншақ болған анамның кеўлине қарадым да жоқары оқыў орынларына барыўды қыял еткеним жоқ. Шофёрлық мектебин еплеп питкердим де аўылда қалдым.
Жас жигитке шофёрлық деген таптырмайтуғын өнер ғой. Самқал машинаны минип, самал менен жарысып, азаннан кешке шекем аңғытқа шаўып жүресең де қоясаң. Мен де тап сондай болдым.
Көриниси тап омыттай болған бир бөлим баслығымыз бар еди. Соны азаннан кешке шекем машинаға салып алып, аўылды шаңғытаман да жүремен. Баратуғын жеримиздиң өзи ана бригада менен мына бригада. Кеште пахта пунктке бараман. Барлығын жыйнағанда бес километр шықпас. Сонда да бир тойып уйықлай алмадым. Бөлим баслығымыз Оспан аға бир отырыспақты жақсы көретуғын адам еди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
05. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

04 Nov, 02:12


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Соның ушын да мен тек өз жумысымды билемен. Мениң жумысым, сениң жамбасың менен билегиңе ийне шаншыў. Соның ушын да жамбасыңа қарайман. Көзиң аўырған болса, көз докторға бар, - деп қайтарып таслайды.
Тәўиплердиң аўырыўларды меншиклеп бөлип алғанындай, бул жерде де ҳәрбир кроваттағы наўқас өз жағдайларына қарап врачларға бөлинген. Булардың ишинде белгили режимге бойсындырылған наўқас тек Қасым. Оған көбирек сыртқа шығыўға болмайды екен. Соның ушын да ол сыртқа шығып, салқын саялы тереклер арасында он-он бес минут ғана отырғаны болмаса, қайтадан кроватына келип жатыўға мәжбүр болады.
Жүреги шаншып, басы аўырып азар берип турған жоқ. Сонда да врачлардың айтқанына бойсыныўға миннетли. Бүгинде өз кроватына келип жатты. Палатаның ишинде өзинен басқа ҳеш ким жоқ. Тып-тыныш. Бундай ўақытларда өз өмиринде ушырасқан белгили ўақыяларды ойлап кететуғын Қасымның әдети еди. Бүгин де тап солай болды. Сол баяғы аспирантураға түскен жылларын ойлап кетти. Мурат Мухамедович шет ел сапарынан қайтып келгеннен бир ҳәпте кейинирек, Қасым оның менен ушырасыўға келисти. Себеби ол диссертацияның айырым тартыслы бөлимлерин илимий басшысы менен ойласып, консультация алыўға тийисли еди. Кеше кеңсеге қоңыраў еткенинде, устазы:
- Шемби күни саат бесте кел, - деп айтқан.
Мурат Мухамедовичтиң өзиниң жумыслары да асып-тасып атыр. Ол ҳәр күни аспирант күтип отыра алмайды. Соның ушын да тайынлаған ўақытта кешикпестен барып ушырасыўы керек еди.
Ол белгиленген ўақыттан бир саат бурын жолға шықты. Октябрь Революциясы қыябанын айланып бираз жүрди. Белгиленген сааттан бес минут бурын Академияның қабыллаў бөлмесине жетип барды да жоқарыға қоңыраў етти. Сол баяғы секретарь қыздың таныс даўысы еситилди.
- Сизди Мурат Мухамедович саат он жетиде қабыл етеди. Пропуск бюросынан руқсат қағазыңызды алыңыз да жоқарыға көтерилиңиз, - деп айтқан.
Қасым руқсат қағазын алып, нәўбетши милиционерге көрсетти де, жоқарыға көтерилди. Бул жерлерде ызылдаған шыбынның сести еситилмейди. Ҳәрбир есик қыя ашылғанда, тап иштен Ҳәким Улықпанның өзи шығып киятырғандай ҳаўлығып жол бересең.
Қасым Рыжков деген жазыўдың алдына келип азмаз тоқтап қалды. Бул киси де баяғыда Қарақалпақстанға бир мәртебе келип еди. Сол ўақытлары-ақ: "Бул алым жасларды көбирек қуўатлайды" деген сөзлерди еситкен.
Буннан кейинги есик Мурат Мухамедов. Ол бул есиктиң аўзына жетип келгенде дем әбден таўсылып баратырған адамдай, аяғын ғаз-ғаз басты да азмаз тоқтаңқырап қалды. Демин ишине жутты да, жағаларын дүзестирип есикти тартты.
Жайдың жарты жағын алып турған сүт түсли жарма қапы бирден ашылды. Бул үлкен бир бөлме болып, дәл ортасында дермантин менен қапланған қара есиги бар. Оның қапталындағы бир столда түр-түси тоты қусқа мегзес, бир сулыў қыз машинка басып отыр. Берги жағының бәри жумсақ креслолар. Креслоларға орналасып алған төрт-бес адам. Қапының ашылғанлығын сезип бирден Қасымға қарады.
- Ассалаўма алейкум!
- Ўалейкум ассалам.
- Мен саат он жетиде Мурат Мухамедовичтиң алдына кириўим керек еди, - деди бирден албырап.
Есик жабылған ўағында қарсы алдында пайда болған енли стол бирден созылып кеткендей сезилди де, оның арғы басатында отырған бийдай рең, буйра шаш киси бирден орнынан турды да сәлемлести.
- Ҳаў, Қасым, кел иним, отыр.
Қасым стол ернегиндеги жылтыр табуреткаға аманат ғана отырып, узақ жолдан жуўырып келип, жүрегин баса алмай атырған кисидей, академиктиң ашық дийдарына жалтақ-жалтақ қарай берди.
- Жағдайларың қалай?
- Жақсы.
- Темаңды илимий совет бекитти ме?
- Бекитти.
- Бекиткени жақсы болыпты. Бирақ қыйын теманы таңлай қойған екенсең, енди алып шыға алсаң болар еди?
- Әлбетте, алып шығаман, Мурат Мухамедович, жумыстың машақатынан қорқпайман.
- Бул ҳәр қандай илим адамы ушын жақсы қәсийет. Бул сөзди ҳәмме ўақыт ядыңда сақла. Тек өзине исенген адам ғана ҳақыйқый алым бола алады.
Қасым өзин қустай жеңил сезди де орнынан турып, кетиўге ыңғайласты.
- Тоқтай тур, - деди Мурат Мухамедович тартпасының ишин тинтип атырып. - Мен саған саўғаға Анлгиядан бир ручка алып келген едим.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
04. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

03 Nov, 03:44


@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

03 Nov, 02:03


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Бир күнлери прорабым айтты:
- Сен бир ақ көкирек бала екенсең. Екеўмиз келисейик.
- Келискенде не қыламыз?
- Саған сансыз ақша жазаман, екеўмиз бөлисемиз.
- Бул келиспейди. Мениң тек ислеген мийнетимди ғана жаз, - дедим.
- Онда ерниң жалақ-жалақ болып ислей бер. Аларсаң көп пулды, - деп жекиринди.
Прораб бәрибир өз нийетин орынлады. Мениң мийнетимди баҳаламады. Басқалар бес күн арақ ишип жатып, еки күн ғана зордан қозғалады. Сонда да прораб пенен келисип, қамтым-қамтым пул алды. Буған жаным қатты ашыды. Себеби турғынлық дәўири адамларды мийнетсизликке, қосжақпаслыққа, жалатайлыққа тәрбиялады. Жумысты өндирип ислеў шәрт емес. Тек өзиңнен жоқары адамлар менен келисип ислеў керек екен. Бул ҳаққында жоқарыға жазып жиберип едим. Қайтама өзиме "жалахор" деген жала жабылды. Ислегениме бир жыл болмай атырып, жумыстан босатылдым. Оннан кейин жер насосына механик болып жумысқа кирдим. Бул кәсипте ислейтуғын адамның өзи көп емес екен. Соның ушын да прорабым мениң жағдайым менен әдеўир есапласты. Пулға пүткиллей көмилип қалдым. Бир күнлери бул жумыстан гүманландым. Ақыры, прорабыма:
- Ҳәр нәрсениң де өзиниң сораўы болады, аға, маған ақшаны дым көп төлеп атырғаныңыз жоқ па? - деп сорадым.
- Әй, ол жағын не қыласаң? Сениң арқаңда бизлер де план орынлап, бир абырайлы болып жүрейик, - деди. Ол сол күни-ақ мениң бир айлығым ушын мың сомнан аслам пул берди.
- Және бир бензовоз жанар май алып келдим, қуйып ал, - деди ол. Мен:
- Жақында ғана қуйғанман, бак толы, - дедим.
- Толы болса дәрьяға ағыз, - деди.
- Дәрьяға ағызып, бул бир сары май ма? Әмиўдиң аяғында суўын ишип күн көрип отырған қаншама халық бар. Олар суўдың орнына қара май ишип аўыр кеселге жолықпасын. Ҳәзир бунысыз да изей суў адамлардың асқазанын бузып атыр. Елге жаманлық еткен адам оңбайды, - дедим.
- Дәрьяны ыласлап атырған адам сениң бир өзиң бе? Өзиң өрде турсаң ғой. Ҳеш бәле қылмайды. Ал, бизлер болсақ, бүгин пәлен тонна жанар май жағып планды орынладық, деп айтыўымыз керек. Бир илажын ислемесек болмайды, - деп турып алды ол.
- Тек өзин ойлаған адам ақмақ. Оннан да майың көп болса қумға төгип кете бер, - дедим мен.
- Билинип қалады. Өткен жылы қумға төгип кетип бәлеге қалдық. Ал, дәрьяға төктиң бар ғой, изи билинбейди, - деп шыжа-пыжа бола баслады, прораб.
Қулласы, мен бул пикирге тис-тырнағым менен қарсы шықтым.
Солайынша мен каютаға кирип-шығып жүргенимде, прорабымыз Пирлепес бензовозды дәрьяға жақынлатыпды да, барлық жанар майды суўға ағызып жиберипти. Суўдың бетине болса қарап болмайды. Қап-қара май. Билмедим, бул суўдан ишип, бизиң аўылда қаншама адам кесел тапты екен?
Буннан кейин бул жумыстан да қолым суўыды. Өзим сондайман. Пайдасы қаншама көп болса да, халыққа зыянлы жумысқа қолым бармайды. Сол күннен баслап-ақ прораб пенен келиспей қалдым. Бундай адамлар басшы болып жүрсе, бахтымыз келиспес, деп жоқары оқыўлардың бирине жоллама алдым. Ол оқыўды питкергениме де көп жыллар болды. Ҳәзир суў инженеримен...
Ол бул сөзлери менен өзиниң қандай адам екенлигин билдирмекши еди. Қасым мәселениң сол жағын ғана аңлап қалды: "Бундай адамлар менен досласыўға болады. Туўры пикирли бир жигит екен". Соның ушын да оның айтқан сөзлерин бирден мақуллады.
11.
Дәри ийиси сиңип кеткен палата азанда азлап самаллатылады. Бирақ Төребайға аспаннан әллеқандай қус ушып өтсе де болды: қанатынан ләрзем алған самалдың өзинен аязлап қалады. Соның ушын да Төребай орнында жатырған ўақытта ҳәмме де айнаны ашып қойыўға қорқатуғын еди.
Бирақ азада Шәригүл кирип келсе, ҳешкимди де тыңламайды.
- Жайдың ҳаўасы бузылып кеткен, - деп айнаның бир жағын ашып жибереди. Төребай тоңқылданып, көрпени басына жамылады. Шыр-пыры шыққан Шәригүл оған: "Таза ҳаўаның өзи де дәри" деп түсиндирмекши болады.
Ол өзи аўыр минезли, салдамлы қыз. Бирақ Жумабай өзиниң жас жигит екенлигин көрсетпекши болып, базда дәлкеклеседи:
- Қыз деген адамның көзине қарап тигилип келер болар еди. Ал, сен болсаң бәрҳама мениң жамбасыма қарай тигилип келесең, - дейди.
- Ҳәр аўырыўдың көзине тигилип, телмире бергенде менде жүрек қала ма?
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
03. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

02 Nov, 02:07


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Жас жигиттиң жүрек тербелислеринде қайғы менен өкиниш, сағыныш пенен айралық, бәри де сырлы сезиминен сызатланып шығып турғандай көринди.
- Неге? Мәселен мениң өзим Аралдан еле үмитимди үзгеним жоқ, - деди Қасым.
Солай болса да Асанның жүзи бирден қуўарып кетти. Оның түси тап жаңа ғана өзиниң ең жақын адамын әўлийеге жерлеп қайтқан адамдай қайғылы еди. Даўысы тарғылланып әсте ғана сөйледи.
- Арал мениң жаслығым да, жигитлигим де, жомартлығым да еди. Кемелер қәбирстанын қурғақта қалдырып, қайтып баратырған Арал толқындай туўлаған бахтымның сағымы сыяқлы көрине береди, маған...
Солай деп айтты да бир майдан тоқтады. Стол үстинде суўып қалған бир стакан шайды симирип жиберди де, қайтадан сөйлеп кетти.
- Елиўинши жыллардың ақырында бизлер де басқалар қатары оныншы классты тамамладық. Ол ўақытлары Мойнақ тап Венецияға усайтуғын еди. Орайлық көшелердиң бәрин суў басып, қырдан қайық айдап барып, туўлаған теңизге түсетуғын едик. Қаланың шетине қайшы шаўып, ересек баллардың ергенегинен шыға сала жайылым суўға қармақ салып, балық тутып отыратуғынын көп көретуғын едим. Теңиздиң ғырра жағасына салынған Мойнақ мийманханасының да тырнағын суў алып кетти. Аэропорттан келген мийманларды мийманханаға апарыў ушын да қайық жаллап жүргенимиз есимде.
Сол жыллары Мойнақ жигитлериниң таңлайтуғын тек еки кәсиби ғана бар еди. Булардың биреўлери буйра бултты қақ жарып ушатуғын "қыран" яки ушыўшы болса, екинши биреўлери түпсиз теңиз толқынларының үстинен жол салатуғын матрос. Денсаўлығының мықлылығы бойынша ҳешким де Мойнақ жигитлеринен асып кете алған жоқ. Ҳәтте ғаррыларының өзи де сексенге шыққанша бекиредей белин бүкпейтуғын еди. Соның ушын да теңиздиң таза ҳаўасын емип өскен Мойнақтың жигитлери әдеўир қарыўлы болды. Самолетлардың ҳәрбир түрин басқарыўда суймырық болып көринген бул батыр жигитлер ҳәтте сексенинши жыллардың өзинде де эстафетаны өз қолынан бермей, услап турған еди.
Соңынан Арал қайтты да, жигитлердиң дәўлети де төменлеп кетти. Бурында армия қатарына шақырылғанда денсаўлығы әбден беккем болған Алпамыстай жигитлер Арқа муз океаны менен Қара теңизден бир-ақ шығатуғын болса, енди қурылыс батальонына зордан ғана шыдайтуғын аўҳалға жетти.
Мен сол жыллары балықшы едим. Алдымда таўдай теңселген толқынлар менен тиресип жүрип, қайық пенен қара көрим жерге барып аў салып, сәскеге жақын кемениң бетин липлемей етип, балық тийеп жағаға қарай қайтар едик. Мен көп ғана еллерди гездим. Бирақ Арал балығындай мазалы балықты ҳеш жерде де ушырата алмадым. Пай! Пай! Балықлары соншама мазалы еди-аў... Планлар үсти-үстине орынланып атты. Соңын ала мотофелюга капитаны болып тайынландым. Теңиздиң айбатлы толқынлары бизиң ушын ҳеш нәрсе емес еди.
Мойнақ Орта Азиядағы пайда болған "екинши Сочи" аталып, теңиз жағаларына дем алыс үйлери салынды. Нөкистен, Ташаўыздан, Ургенчтен ишине адам толған автобуслар, артқы айналарының ишине ақ жипектен перде тутылған жүйрик "Волга"ларға минген жас жигитлер менен нәзалим келиншеклер үсти-үстине келе баслады. Дем алыс үйлерине жыйналған дүркин-дүркин адамлар түни менен арақ ишип, босаған шийшелерин суўға ылақтырып, теңизге шомыла баслады. Шийшеден сескенген балықлар теңиздиң түбине қарай қашты. Булардың ҳәрекетине бирден өкпелегендей ҳәкисине теңиз де қайта баслады.
Биз ол ўақытлары тап теңиз усындай жағдайға түсип қалады, деп ойлағанымыз жоқ.
- Тәбияттың тилсимли ҳәрекети сондай. Жетписинши жыллардың ақырына келип Әмиўдәрьяның суўы да тартылды. Тәрийпи тап ертектей болған асаў Әмиўдиң суўының қурығанын көрип, адамлар әдеўир албыраған еди. Аўыз суўдың өзи қәҳәт болып, адамлар қудық қазыўға киристи. Бирақ бул жердиң бәрин де теңиздиң дузлы суўы жайлағаны ушын, дәми дым ашшы. Ишип болмайды.
Атайы балықшы болыўыма қарамастан, мениң де бул кәсиптен қол үзиўиме туўра келди.
Соннан кейин барып гидротехникумға оқыўға кирдим. Бул кәсип жақсы екен-дә, бирақ бирден үйренип кете алмай қатты қыйналдым. Биринши маманлығым бульдозершилик болды. Астыңда пилдей трактор. Ол ўақытлары тазадан жер ашыў үрдис болып еди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
02. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

01 Nov, 06:10


Шүкирлигим көп мениң

Ғәзийнем, дәўлетим қолдағы барым,
Тапқаныма қанаат етеди қарын,
Бары менен берекетли базарым,
Несийбеме шүкирлигим көп мениң.

Пәнт жесем де, пәнт бергеннен болмадым,
Қыйыр-шыйыр, ойлы-бәлент жолларым,
Қәлбим қайғы-шадлық пенен торланды,
Жаратқанға шүкирлигим көп мениң.

Сүрниккеним шешилипти пайдама,
Аяқтан шалғанға рахмет айтаман,
Өшегиспей ырайымнан қайтаман,
Сынақларға шүкирлигим көп мениң.

Гүман жоқ, демлерим болды алжасқан,
Ақыл енди басым тийгенде тасқа,
Талпынысым табысларға жалғасқан,
Тәғдириме шүкирлигим көп мениң.

Халқым сезиндирип шайырлық бахтын,
Жақсы көрип ҳүрмет шапанын жапты,
Нени әрманласам жырымнан таптым,
Ығбалыма шүкирлигим көп мениң.

Тилеклес ҳәм жолдас қойылған атым,
Билгенлерге мәлим қәдир-қымбатым,
Несип етсе сүйип оқылар хатым,
Қәлемиме шүкирлигим көп мениң.

Ҳәмийше болыўым керек жердемен,
Үлги алып мәрт жанларға ергенмен,
Жақсылық күтемен бүгин, ертеңнен,
Бул өмирге шүкирлигим көп мениң.

Гириптар болғанда дәртлерге аўыр,
Дослар даўалады, жубатты баўыр,
Қабылладым нени сый етсе дәўир,
Бергенине шүкирлигим көп мениң.

Хызметимде турар он еки мүшем,
Сырнықтым оларды тутпасам мисе,
Күтимин бердим де атландым иске,
Ҳаққа айтар шүкирлигим көп мениң!

1-ноябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

01 Nov, 02:02


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Басымды және ислеттим.
- Складта тышқан көбейип кетти. Ҳеш илажын таба алмағаннан кейин, бес-алты пышық асыраған едим. Пышықлар тар жерде тышқан қуўып жүрип, талай шийшениң басына жеткен екен, - деп жалындым.
Олар мениң сөзиме исенди. Бахтым бар екен:
- Пышықларың қаяқта, - деп сорамады. Дәлийлим өзиме жақсы болды. Бес жүз кило колбаса, бир тоннадай гөш "тышқанлар менен гүресип атырған пышықларға жем болған" деп акт дүзилди. Ҳүкимет деген де ақ көкирек-аў. Бәрине исенди. Бирақ көп дүканларда қумшекер, қант, конфеталар кемис келди де дүканшылары растрата болып қалды. Ал, мен аман қалдым.
- Бизиң саўда жумысымыздың жағдайлары да таң қаларлық екен ғой, - деди Асан.
- Не таң қаларлығы бар. Басты ислетиў керек, - деди қуўжыңлап отырып, көп сөзге берилип кеткен Өтемис. - Өзимниң ақыллылығым пайда берди. Көп жерде дигирманның тасының астынан да тири шығып кеттим, - деп мақтанды.
Буннан кейин ҳәмме жабырласып кетти де бир қарарға келе алмады.
Бирақ бул пикирлесиў көпке созылмады. Бирден түслик ўағы болып қалды да, палатадағы адамлар асханаға барыўға асығып, тарқалыса баслады.
10
Түстен кейин Қасымды излеп Төремурат пенен Қудайберген келди. Булар еле профессор болмағаны менен де өзлери таңлап алған маманлығына әдеўир жетик, Москва, Ленинград, Киевтиң жоқарғы мектеплеринен тәлим алған, ел сыйлайтуғын елеўли алымлар еди.
Қасым буларды Москвада болатуғын үлкен бир симпозиумға баратырғанда самолетке шығарып салған еди. Соннан еки күн өткеннен кейин-ақ өзи усындай жағдайға түсип қалды. Кеше кеште самолеттан түскен екен. Бул жағдайды Улмекеннен еситипти де, балларға базарлықтан аўысқан апельсинлерди газеталарға орапты да бул жаққа келе берипти.
- Қалайсаң, достым, - деп пәрмана болып атыр олар.
Қасым оларға өз жағдайларын сөйлеп берди.
Жоқарғы оқыў орнында еле де болса шешилмей атырған проблемалар көп. Студентлер жатақханасында күйип кеткен светтиң бир қарыс сымын сорап Тахиаташқа барсаң да бир баланы имтиханнан өткизип бериўди сорайды. Яки самалдың күши менен сынған қалың айна ушын еки жарымес баланың басынан сыйпап, биринши курсқа отырғызыўың керек. Қаншама қылмыслы ис ислесең, исиң жүрисип кете берер-миш? Бундай жағдайда қандай әдиллик болады?
Қулласы, келген қонақлардың бәри де тийкарынан усы бағдарда сөйлести. Ең изинде өз достының саўалып кетиўине жақсы тилеклер билдирип, үйлерине қайтты. Бул сапары палатада Қасым менен тек Асан ғана қалған еди.
Қасым Асанды тек китапты көп оқыйтуғын адам сыпатында ғана биледи. Бир бөлмеде сонша күн жатса да бир ашылысып сөйлесе алған жоқ еди. Асан ақ көкирек жигит болса да минези дым аўыр. Ҳәмме менен де сөйлескиси келе бермес, егер көпшилик сөйлесип атырғанда да, қапталлап жатып китап оқыйды. Ал, айырым жағдайларда адамлар арасындағы тартысларға қосылып, азар-безер болып кетер еди. Ол өзи ҳешким менен ашылысып сөйлесе де бермейди. Бирақ кеўлине жаққан адам менен дәртлесиўге ҳәўес жигит. Сонда да көп сөйлемейди. Көп оқыйды. Әйтеўир солай болса да күни менен китап оқып жалығып кетти ме? Бирден өзинен өзи сөйленип, орнынан турып кетти.
- Мени Аралдың тәғдири қыйнайды, - деди ол. - Арал - бул Қарақалпақстанның ырысқалы ғой. Буған басы айланып атырған адамлар бар ма екен? Мен теңиздиң бойында туўылған адамман. Соның ушын да оған жаным көбирек ашыйды.
Демек, ол бүгин Қасым менен Арал ҳаққында пикирлеспекши болды.
- Аралға жаны ашымайтуғын адам бар ма? Бизлер Аралдан еки жүз километрдей қашықлықта туўылдық. Сонда да "теңиз жағасында туўылғанбыз" - деп мақтаныш етип жүрмиз ғой.
- Оның жөни бир басқа. Бирақ Арал мениң аймалап өсирген анам еди... Мен Арал балықшысының семьясында туўылған адамман.
Асанның түри бирден өзгерип кеткендей болды. Ол тап көп жыллар бойы өз үлкесинен шығып кетип, сонша жыллар сағынып қайтып келгенинде асаў дәрьясы менен тентек теңизиниң бирден қурып қалып, шаңғытып атырған дузлы қумды қушақлап дебдиўин баса алмай атырған бир адамға усар еди.
- Асаў Аралдан айрылдық ғой. Бирақ оны қайтадан тиклеўге болар ма екен?...
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
01. 11

Baxıtlı SARÍBAEV

24 Oct, 01:51


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Оның үстине бир жалғыз баслы кемпирдиң жалғыз перзенти едим. Әкем болса Уллы Ўатандарлық урыста қазаланған. Ал аўылда үйге қарағандай ҳеш ким жоқ.
- Анаңыз тилла адам екен. Жалғыз өзи қалып, сизди узақ қалаларға оқыўға жиберипти. Енди бул жағын да еплеўи керек. Улыўма сеннен талантлы бир алымның ушлығын көрип турғандайман. Қарақалпақстан тарийх боранлары астында көмилип қалған тың үлке. Бунда әййемги дәўир ҳәм орта әсирге тийисли болған көп ғана қорғанлардың сыры ашылмай атыр. Буннан тысқары бүгинги қарақалпақлардың он сегизинши әсирден арғы тарийхы белгисиз болып қалды. Буны өзиңдей патриот жигитлер изертлемесе, ким изертлейди. Ал қарақалпақлардың бүгинги күнги тарийхы болса пүткиллей басы ашық турыпты. Демек, илим де өз кадрларын күтип атыр, - деди.
Қасымның бурын изертлеп жүрген темасы да бар еди. Бул да болса "он биринши ҳәм он екинши әсирдеги қара бөриклилер". Бул ҳаққында илимий конференцияларда әдеўир тартысып келип, ең изинде диплом жумысы деп танылды да қәнигелерден жоқары баҳа алды.
Оның үстине академик Ядыгер Ғафуров өткен жылы Қасымды археология экпедициясы менен бирликте Термизге де алып кетти. Бул жигиттиң келешекте талапшаң алым болыўы мүмкиншилигин тап сол жерде-ақ байқап қалған еди.
Демек академиктиң өзи аспирантураға кириўди усыныс етип турған екен, әлбетте пурсаттан пайдаланыў керек. Қасым:
- Мен разыман, - деп жиберди.
Солай етип, Қасым аспирантураға қалдырылды. Соңынан кириў имтиханлары табыслы өткен болса да, теманы тастыйықлаў ҳәм илимий басшы ушын әдеўир тартыс басланған еди. Буған белгили академик Мурат Мухамедовичтиң Ташкентке келиўи баслы себеп болды. Мурат Мухамедович көпке танылған алым болыў менен бир қатарда қарақалпақлар тарийхының үлкен қәнигеси еди. Ол жақын арада Академияның вице-президенти болып тайынланған. Енди ҳәр қандай алым да оның руқсатысыз қарақалпақлар тарийхына қол урып көриўге қорқар еди. Дәслеп Қасымға илимий басшы болыўға тилек билдирген адамлар көбейген болса да, усындай жағдайлар менен олардың көбиси бас тарта баслады.
Алымлар арасындағы адымлысы да, ақыллысы да Ўатан Моллабаев болып, ол өз сөзинде турды.
- Мен иним сениң мийнеткешлигиңди, излениўшилигиңди қатты унатаман. Бирақ алымлар әўладында үлкен бир қағыйда бар. Ол өзинен жоқары алымды ҳәмме ўақыт ҳүрметлеўге тийисли. Болмаса илимий жумыстың берекети болмайды. Буннан тысқары биз ҳәр бир тема үстинде ойланғанымызда оның баслы қәнигесине жүгиниўимиз керек. Жақсысы сен барып Мурат Мухамедовичтен руқсат сора. Егер ол мениң саған илимий басшы болыўыма ризашылық берсе, енди мен таярман. Ал өзи бул жумысқа басшылық еткиси келсе бәринен де жақсы.
Қасым Ўатан Моллабевты биринши курстан баслап жақсы билер еди. Ол киси бес тилди булжытпай билетуғын, Орта Азияның әййемги ҳәм орта әсир тарийхын өз қолы менен жазып шыққан бир данышпан адам еди. Оның ҳәммени таң қалдыратуғын жери сол, тап араб жазыўынан баслап Орхон Енисей жазыўларына шекем оқып түсиниў мүмкиншилигине ийе еди.
"Илим жолы ғаўғалы" дегени де ырас екен. Тап усы кисиниң докторлық диссертациясы ВАК тан өтпей қалғанында ҳәмме ҳаўлықты. Соның ушын да басында пүткил әлем жайласқан бул адамның өзи де ҳәзир илим кандидаты еди.
Қасым бул адамды ҳәдден зыят ҳүрметлеп, оннан көп ғана консультациялар алды. Ал Ўатан ағаның ҳаялы Саламат апа болса буннан бес бетер ақ көкирек ҳәм әжайып ҳаял еди. Ол Қасымды тап өз баласындай көрер, қандай жағдай болса да қазан көтерип, аўқатландырмай жибермес еди.
Ўатан Муратовичтиң илимий жумысының тастыйықланбаўы алымлар арасында үлкен шаўқыўға айланды. Биреўлер: "Бул кисиниң жағдайы усылай болса, енди бизлерге жол жоқ екен" дести. Ўатан ағаның өзи де Қасымға айтқан:
- Билимли адамлардың душпаны көп болады. Оған ҳеш қандай итибар берме. Билим жолының бахытлы гүзары да, айқыш-уйқыш болған айланшық көшелери де көп болады. Илажы болғанынша өзиңди беккем тут.
Қасым сол күннен баслап-ақ, бул әжайып адамды өзиниң устазы деп таныған еди. Ол өзи жас болса да жигирмалаған илим кандидатларын тәрбиялап шығарған.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
24. 10

Baxıtlı SARÍBAEV

23 Oct, 02:02


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Баласының жақсы яки жаман оқығанына қарамастан, оқыўға түсириў ушын пул усыныс ете береди.
- Жоқ, мен ондай ислей алмайман, - деди Қасым. - Бул ҳәр қандай оқымыслы адамның жәмийет ушын еткен қастыянлығы болады.
- Онда мен билмедим. Бәлки сизге дурыслап түсиндире алмаған шығарман.
- Яқ, жақсы түсиндирдиңиз. Бирақ мениң ҳүжданым буған жол қоймайды.
- Ҳүждан... Ҳүждан... Ҳәссений, өзим профессор болар ма едим. Көрсетер едим барлық өнеримди. Өзим ғой, өзим, ҳәтте туўған-туўысқанларыма жай салдырып берер едим.
- Ал, мен болсам, қолымнан келсе пүткил Қарақалпақстанның халқын жай менен тәмийинлер едим. Бирақ ҳәрқандай адам өз мүмкиншилигине қарап жасамағы керек. Мениң кәсибим биреўден пул алып, биреўге жай салып бериў емес, бәлким халықты билимлендириў.
Қасым және басының бир бөлеги аўырып баратырғанлығын сезди. Сонда да өз пикиринен қайтқысы келмеди. Пул арқалы берилген жәрдем ҳеш ўақытта ҳақыйқый жәрдем бола алмайды. Соның ушын да ол әллеқандай қассаптың алдында өз пикиринен қайтыўды қәлемеди.
- Екеўмиз де еркин пикирлестик. Бирақ сиз маған қарама-қарсы кейиптеги адам екенсиз. Бурында бир жас үлкенимиз "Университет - бул халыққа бригадирлер таярлап бериўдиң ошағы" деп қәтелесип еди. Биз ҳәзир ҳақыйқый ҳүжданлы, саналы кадрларды тәрбиялап бериўимиз зәрүр. Пара алған ҳәм пара берген адамлардан ҳақыйқый кадрлар шығыўы қыйын. Егер басым аўырып турмағанда сениң менен басқаша сөйлесер едим. Ҳәзир де басым аўырып кетти. Жатып дем алайық.
Енди екеўи де бирден тым-тырыс болып қалды. Палатада ызылдаған шыбынның сести еситилмес еди...
8
Кешке қарай дени саў адамлардың бәри де уйықлайды. Болмаса ҳәр қандай адамға да қыйын. Бирақ Қасым түни менен де тыпыршылап уйықлай алмайтуғын бир жағдайға тап болды. Дени саў усаған. Ойы сергек. Бирақ уйықлай алмайды. Бундай аўырыўдың түри де оған буннан бес ай бурынырақ тап болды.
Бирақ бир нәрсе Қасымды еле де көбирек ойландырды. Өзи еле жас. Қаяқтан пайда болып қалды өзи, бул жабысқақтай кесел. Жора-жолдасларының бәри де еле жолбарыстай. Ал, өзи болса жасына жетпей ғарры болып қалған адамдай мыллыйып жүргени. Жумысқа барғанына еки ай болмай атырып-ақ, және жолы кеселхананың үстинен шығады.
Солайынша ол, сол бир әжайып болып өтип кеткен студентлик жылларын ойлады. Ол ўақытларды алтынға да аўмастырып болмас. Бирақ усы тәшўишке түсиўдиң тамырының өзи, тап сол дәўирлерден басланады.
Қасым орта мектепти алтын медаль менен питкерди. Бирақ илимпаз болыў ойында жоқ еди. Бул ўақытлары урыстың тамам болғанына жаңа ғана он жыл толып, ел енди ғана еңсесин көтерген еди. Аўылға инженер де, врач та керек. Муғаллимлер болса қаладан келип оқытып жүрипти. Сондай болса да бул жыллардағы оқыўшылардың бәри де муғаллимшиликти ҳәўес етти. Ҳәўес етпей қәйтсин, бул дәўирдеги аўыл интеллигенциясының өзи тек муғаллим еди. Жағаларының нағысы қызыл-жасыл дөнген украин көйлеклерине утюг басып кийип көшеге шыққанда, дүньяда булардан да бахытлы адамлар бар ма екен, деп ойлайсаң. Егер сөйлетип жиберсең бәри де барып турған данышпандай бир аўыз сөзден де сүрникпейди.
Усы жағдайлар себеп болды ма яки тарийх муғаллимлери Нағметулла менен Байназар аға себепши болды ма, әйтеўир Қасым тарийх факультетине ҳүжжетин тапсырды. Әсиресе, сол жыллары Қасым оқыған мектепке жүдә күшли муғаллимлер топланған еди.
Студентлик жыллар да жылжып өте баслады. Бирақ билимниң сырлары көп екен. Аўылда бала оқытыўдың жөни өз алдына. Көп оқып изленген адам ҳәтте алым болып кетиўи де мүмкин.
Қасым аспирантураға киремен деп ойланып жүрген жоқ еди. Бирақ ойламаған жерде бирден оның бахты жүристи. Мәмлекетлик имтиханлар басланған күнлер еди. Қасымның берген жуўабы ҳәммени таң қалдырды ма, әйтеўир комиссия баслығы болып келген киси Ядыгер Ғафуров буның менен пүткиллей қызықты да қалды.
- Балам, билимиң жоқары екен. Сеннен келешекте бир нәрсе шығады. Мениң айтқанымды қылсаң аспирантурада қал.
Қасым академиктиң көз әйнек арасынан жылтылдап көринген көзлерине тигилди.
- Усынысыңыз ушын рахмет, устаз. Бирақ билмедим, мен аспирантурада оқый алар ма екенмен.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
23. 10

Baxıtlı SARÍBAEV

22 Oct, 07:58


Бахтыңды бергей, қызым!
(Ана кеширмелери)

Тилиме сөз түспей турыппан толқып,
Жаратқан бахтыңды бергей, жан қызым.
Көзиңнен кеўлиңди турыппан оқып,
Жарық еткил ата-анаңның жүзин.

Гүлленип, мийўелеп, пәлек жая бер,
Сулыў келиншеги болып кең үйдиң.
Ай қызым, мен сени исенсең егер,
Аналық меҳримди бағышлап сүйдим.

Кеўлин сүйсиндирер қараған жанның,
Қандай жарасықлы аппақ липасың!
Өмирдеги ығбал жулдызың жанды,
Жүзиңди безеп тур қуўаныш жасы.

Ҳадал хызмет етип ата-енеңе,
Болғайсаң тил алғыш, мийримли келин.
Журт айттыссын: "Қосылыпты теңине!",
Сен бахытлы болсаң тоқ мениң кеўлим.

Қыз баланың ойлап бахыт-ығбалын,
Парызымыз қондырмақлық қыяға.
Сыйласықта татқыл турмыстың палын,
Күйеў балам менен нурлы уяда!

22-октябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

22 Oct, 02:06


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Ал, сол ҳүждан деп бақырып жүргенлердиң бәри жолды шаңғытып пияда жүр. Солардың биреўи жақында "үйге қонақ келип еди" деп гөш сорап келип еди. Жиним тырысып қалды да, бермедим.
Мениңше, бундай тайпадағы адамлардың бәри де өз бахтынан тепкен, алағайым адамлар сыпатында көрине береди. Маған кеўлиңизге келсе де айтайын, булардың бири өзиңиз.
- Мен бе?
- Аўа, сиз!
Жақында жайыңыздың жанынан өттим. Дәрўазаңыз аңсақ-саңсақ. Жайыңның тырнағын да ызғар алыпты. Үйиңе барып келгенлердиң "еле гарнитуры да жоқ. Көрпеси газета-журнал, дастығы китап" деп келип атырғанлардың есап-саны жоқ. Доктор болсын, болмасын, кеўлин қара шыбын көтерген университеттиң гүллән жуўқылдақларының бәри таза салынған жайларға көшип, шетинен жаңа машиналар алып атыр, деп еситемен. Ал, сиз болсаңыз еле "Ҳүждан", "Ҳүждан" деп бақырып, атақлы он профессордың бири болсаңыз да, еле жолдың шаңын жутып пияда жүрипсиз. Сонда бундай биймаза ҳүжданның кимге кереги бар.
Өзиңиздиң хабарыңыз бар, бизлер де студент болғанбыз. Сол ўақытлары университет еле институт болып, муғаллимлерге меншик жай салыў үрдис еди. Дурыс иследи. Себеби, олар енди ғана аспирантура партасынан шығып, жас алым сыпатында илим кандидатлары болып қайтқан. Мәмлекет жай менен тәмийинлей алмағаны ушын олар өзлери жай салып алыўға тийисли еди. Сонда жазғы сессия басланғанда билеклерди сыбанып, табанда турып ылай шығарып, устазлар ушын талай хызметлер еткенбиз. Бундай жағдайдың бизлердей бассыз студентлерге пайдасы да болды. Сонда бизлер қатты ҳайран болдық. Сиз ҳешқандай студент жумсамадыңыз. Бәлки бул да сизиң ҳүжданыңыздың ҳәмиринен болған шығар.
Батырбай ағаны билесең ғой. Күн шыжғырып турғанда бир шелек суў менен бес буханка нан әкелип таслап кететуғын еди. Соңынан сулыў келиншеги бизлердиң ҳәр биреўимизге биреўден газета алып келип береди. Сол газеталарды басымызға қалпақ етип кийип алып, жумысқа кирисетуғын едик. Ол кисиниң илимий дәрежеси жоқ еди. Сонда да Нөкистеги ең бай адамлардың қатарына қосылып кетти.
Тақанның түрли-түрли былғаўы бар, аға. Тек мен ҳүжданлыман, деп ширене бергеннен пайда шықпайды. Бул дүньядағы жақсылықтың өзи бир-биреўге қол созыў. Егер биреўдиң баласын университетке киргизе қойсаң, ол да сени умытпайды. Буның ушын ҳәтте үлкен саўға да бериўи мүмкин. Бир саўғаның өзине бир машина алып атырғанлар аз ба. Бар табағым, кел табағым. Бизде ҳүждан деп тек усындай сыйласықты ғана түсинеди.
- Егер қәтере салған адамның баласы жүдә төмен болса қәйтесең. Бундай жағдайда халық арасында дипломлы қассаплар көбейип кетпес пе екен?
- Көбейе берсин. Сиз бул сөзиңиз бенен мени шымшып атырсыз ғой. Мәйли, қассап бола ма? Қараўыл бола ма? Оның өз жумысы. Ҳәзир бизиң менен оқығанлардың көбиси қассап пенен заправщик. Ақыры, олар да қайсы жерде майлы жиликтиң болатуғынын биледи-дә. Қассап болғанда олардан не жаманлық көресиз. Жаўда да бир үйиң болсын деген. Сизден басқа адамлардың бәри де бизден гөш сорап барып турады.
Еле есите бересиз. Мен бул қәнигеликти де көп пулға сатып алғанман. Егер ҳәзир сиз маған кафедраны басқарыўды усыныс етсеңиз де бармас едим. Себеби, мен ислеп атырған жерде пул көп. Ал сиз болсаңыз, кийимиңизге қан шашыратпай-ақ тез байып кеткен болар едиңиз. Бирақ өжетлигиңиз өзиңизге пайда бермей атыр. Сизиң жумысыңыздан да сансыз пайда табыўға болады.
- Қалай?
- Бир баланы оқыўға киргизсең болды. Бир жыллық табысыңның өзи асып-тасып кетеди.
- Бул барып турған жынаят ғой.
- Сиз қорқпаңыз. Оқыўға бала киргизип пул алғанлардың бәрин қамап атыр дейсең бе? Ҳәзирги дәўир парахорлығының ең аңсат түри оқыўға бала киргизиў. Заң орынларына жеткизиў былай турсын, барған адамлар да, алған адамлар да жүреги қарс айрылып қуўаныў менен кетеди. Бәри де "баламның жолына қойған садақам еди" деп, ҳешкимге айтпайды. Дүньяда қызық ҳәдийселер көп. Биреўлер параға он мың сом алып ойнақлап жүрсе, он үш сом ушын еки жылға тюрьмаға қамалғанлар да бар. Соңғы ўақытлары медалистлердиң өзи де оқыўға өте алмай атырғаны ушын, адамлардың бәри де ашық қол болып кетти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
22. 10

Baxıtlı SARÍBAEV

21 Oct, 01:57


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Еситиўиме қарағанда қан басымы адамлардың көбирек ойланыўынан, қыйланыўынан келип шығады екен. Демек, бул кеселликтиң өзи де кәсипке байланыслы. Бул жапсақтың алымлар арасында көбирек болатуғынын билемен. Олар бир-бири менен айтысады, шертиседи. Бас мийге көбирек күш түседи. Ал, сениң болса кәсибиң - қассап. Күниң көпшиликтиң арасында өтеди. Дүканыңның жарты жағы ашық. Таза ҳаўада турып гөш сатасаң. Оның үстине ҳәмме келип саған жалынып турғаны. Сондай бола тура, қан басымы кеселине жолыққаныңа ҳайранман.
- Ойланбайтуғын, қыйланбайтуғын жумыс қайда, аға? Қассаплықтың бир қызығына берилип кетсең, уйқысызлық кеселине ушырайсаң. Мениң бир тананың өзинен қаншама пул өндиретуғынымды сиз билмейсиз. Ҳәзир бул пулды басқа биреў алып атыр. Соның ушын да мениң жапсағым жақын күнлердиң өзинде тәўир болмайды. Пулдың қызығына түсип кетип қызғаншақлық кеселине жолыққанман.
- Бала-шағаңды баққандай шамаң болса болды ғой. Өзиңниң ден саўлығыңды ойласеш.
- Ўәй ақсақал, пул кеселлиги деген де жаман ғой. Ҳәрқандай қызыл онлық, көзиңе қырмызы жүзли қыздай болып көринеди де турады. Мени журт кийимлери қан-қан болып әбигерленген бир қассап деп ойлайды. Жумыстан қайтып келип, үйге барып бир дуўшқа түсип, жүз грамм атып алсам бар ғой, тап өзимди ертектеги анаў Қарун байдан кейин көрмеймен. Жейтуғыным алдымда, жемегеним кейнимде турады. Бир күнде кем дегенде жүз сомнан кем пайда түсирмеймен. Өзиң-ақ есаплап көр. Бир айда қанша болады? Бир жылда-ше?
Сизлердиң бир ай жуўырып басыңызды қатырып тапқан бес жүз сом ақшаңыз, бизлердей бай-дәўлетли жигитлерге бир жас үлкенге арнаған базарлығымызға да жетпейди. Соның ушын да қан басымы кеселиниң ең аўыр түри бизлерде болады, жасы үлкен.
Ҳәзир дәрўазаның алдына қасқыр ийт байлап, сегиз қабатлы жай салып қойыппан. Қатынды да жумыстан шығарып алдым. Эй, садағасы кетейин, сол сексен сом ақшасының! Қатынға үстем болғың келсе, жумысқа жолатпа. Сениң тек тамағыңды писирип, кириңди жуўып отыра берсин. Оннан кейин ол сениң алдыңда маймыл болып ойнайды.
Пулың көп болса, шеңгелдиң басында сорпа қайнатып ишиўге болады, достым. Ер адамның аз-маз еркелиги де болыўы керек. Пулы көп, жүреги от жигитлерге соңғы ўақытлары "жыйынлық келин" деген тап болды. Екинши ҳаялы десе де болады. Байынан айрылған жас жаўанлардың биреўин табасаң да басқа қаладан жай сатып алып бересең. Оннан кейин жай да өзиңдики, жас ҳаял да... Заманың келип турғанда кеўлиң дәрт көрмесин, Дүйсенбай, деп еки қаланың арасында бөзшиниң мәкисиндей қатнайсаң да жүресең. Сиз еле оны көргениңиз жоқ. Тахиаташта жүзимниң суўындай биреўин екинши ҳаял сыпатында алып, алты қабатлы жайға жасырып қойыппан. Бирақ ҳәзир бизлердиң тоғыртқамыз әдеўир тыйылып қалды. Қайта қурыў басланды да, қолымыз қысқарды. Сонда да қуры алақан емеспиз.
- Малдың гөши ҳүкимет тәрепинен өлшенип берилмей ме? Сонда қалайынша усынша пайда түсиресиз?
- Ўәй, буның сыры көп ғой. Сом гөшке сүйекти шаўып қосасаң. Бир жола бир бастың өзин бес бөлекке бөлип, гөшке қосып жибердим. Гейде арзан гөштиң өзинде қымбат гөш пенен араластырып қымбатына сатамыз. Оның үстине кооператив деген де ҳәзир қассаплардың ырысқысына айланды. Базардан арзанырақ өгизше алып, етин қымбатқа түсиремиз. Егер де мықлы бир сыйыр сойып сатсақ, гелле-бас сыйрақ пенен, ишек-қарын өзиңе қала береди-дә, еки жүз, үш жүз сом нақ пайданы қолыңа түсире бересең. Бирақ қайта қурыў басланғаннан берли, буның да берекети болмай тур. Бурын туяқ пенен түртсең де үндемейтуғын мөмин халық енди жүдә заңшыл болып кетти. Төрт шайнам еттиң қасына қуры сүйекти шаўып салып-ақ сата беретуғын едик. Ҳәзир ебиндей базаршының өзи-ақ "кимди бассынасаң" деп бақай менен басыңа урып кетеди. Соларды ойлап жүрип-ақ бул кеселге шатылғанбыз ғой.
- Сонда да бул ҳәрекетлериңиз дым өрески екен?
- Неге?
- Ақыры, адамда ҳүждан деген бар.
- Ҳүждан... Ҳүждан... Қойсаң-ә, сол ҳүжданыңды. Ҳүждан деген бул пул. Пулсыз қуры ҳүжданнан не шығады? Тап усындай ҳүждан деп бақыра беретуғын адамлардың бир нешшеси бизиң Хожелиден де табылады. Ҳәзир журттың бәри машина минип кетти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
21. 10

Baxıtlı SARÍBAEV

20 Oct, 02:10


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Ал, палатада қалған үш кисиниң бири кроватта қыялап жатып, өзинше әлле бир нәрселерди ойланып атыр. Екиншиси есик беттеги столдың қасында тикке турып стакан менен шай ишип тур. Ал, үшиншиси болса кроватқа кесесине отырып алып, китап оқыў менен машқул. Бул адамлардың ишки дүньясы түўе, сыртқы көринислери де бир-бирине усамас еди.
Бириншиси - Қасым, толық денели, сымбатлы болғаны менен бети тап өртең шалғандай қуўарып кеткен. Жүзи де оншама жайдары емес, тап түни менен аэровокзалда отырып шығып, азанда самолетке минген адамға усар еди. Оның бет-жүзинде қаталлықтан нышан жоқ. Бирақ қатты шаршағанлықтың изи бар. Түни менен уйқысы келмей, күни менен көзин жумып жатса да ҳасла уйықлай алмаған. Сол жағдайына қарамастан өзи мийримли еди. Бир жақсы жери анаў-мынаў нәрсеге ашыўлана бермейди. Өз пикирин жасырмастан ашық түрде айтады. Жаслығында сулыў болған болыўы да мүмкин. Ҳәзир бетлери бөлек-бөлек болып, беллери буўазақланып кетипти. Бул оның ериншеклигинен емес, бәлки күни-түни сарғайып, столынан түспей отырып жазыў жазғанынан болса керек. Профессор ҳәзир де күн-түн кроватында жатырыпты. Қашан көрсең тап түнги сменадан келгендей көзлери гиртийеди де жатады. Бирақ уйқысы келмейди. Әллеким әдилсиз ҳәрекет жасаса, жини тырысып кетеди. Соған қарағанда жаны әбден таза адам болыўы керек. Өзи де көп ҳәдийселерди басынан кеширген болыўы итимал. Көбирек ойлана береди. Ойланған ўақытлары көзи бир ноқатқа тигилип, тап кино көрип отырған адамдай ҳеш жаққа қарамайды. Өзиниң қыялындағы адамлар менен қупыя сырласып атырғандай сыбырланады.
Палатаның берги қапталындағы кроватта отырып китап оқып отырған Асан Қасымға қарағанда әдеўир жас. Бирақ бул жигиттиң сыртқы ҳәм ишки көринислеринде де профессорға әдеўир жақынлық бар еди. Китапқа қумарлығы, газета-журналларды қолынан тастамай оқыўы, адамға мийирманлығы, сабырлылылығы жағынан бул жигит те әдеўир ажыралып турады. Қасым келген күниниң ертеңине-ақ Асанның характериниң жақсы жақларын аңлаған. Бирақ оның менен ашылысып сөйлесиў мүмкиншилиги болған жоқ. Палатадағы үшинши адам Дүйсенбай, бул екеўиниң де тескериси еди. Былайынша қарағанда сөздиң оңлы-терисин оншама өзлестире бермейтуғын, ҳәр нәрсеге бир даўрығып, бақырып сөйлеп, басыңды айландыратуғын алаңғасар бир адам.
Буны жүдә ақылсыз деп те болмас. Өзине жараса ақылы да бар Бирақ өз сырын кимге айтып, кимге айтпаслықтың жөнин билмейди. Бир жаңалық тапса, даўрығып жүрип, журтқа жайып шығады. Дүньяхорлығы басым. Пайда түсириўдиң жолын көбирек ойлайды. Тек ишип-жеўдиң өзин ғана бул дүньяның рәҳәти деп ойлайтуғын топас. Сиясат, көркем өнер, әдебият ҳәм спорт пенен иси жоқ. Бундай адамлардың қалайынша тарийх факультетин питкергенлигине ҳайран қаласаң.
Асан болса тек гидротехникумды ғана питкерипти. Соған қарамай, өз үстинде ислегени ушын ба, әйтеўир билими Дүйсенбайдан анағурлым үстин.
Бир-биреўине онша усай бермейтуғын усы үш адам палатада қалды. Кимди қандай нәрсе қызықтырады, бул ҳәр адамның баслаған сөзинен-ақ белгили еди.
Сөзди Асан баслады:
- Жақында Қарақалпақстан турмысынан бир кино сүўретке алыныпты. Көргенлер: "Жүдә қызық екен" деп айтысып атыр. Әсиресе, байраққа жиберилген атлар ҳаққында эпизодлар бар екен. Бир ат тап тулпар менен барабар болып, "Жигули"ди қуўып жетипти.
- Айтпақшы, сол киноны сүўретке түсирип атырғанда төрт ат мертилипти, деп еситтим, - деди Дүйсенбай. - Таўдан түсетуғын жерде екеўиниң аяғы шорта сынып және екеўиниң бели мертилипти. Сол атларды маған арзан сатпас па екен?...
"Әне", - деп ойланды Қасым. Булардың екеўинде еки түрли мақсет бар. Бириншиси халқымыздың көркем өнериниң жаңалығын баянлады. Ал, екиншиси болса, оны да өз пайдасына жумсағысы келди. Оны киноның тәсиршеңлиги, ондағы қаҳарманлар қызықтырмайды. Тек мертилген ат. Майып болып қалған ат көп гөш, көп пул ақыры... Бирақ профессордың бул пикирин олардың екеўи де сезген жоқ.
Асан сыртқа шығып кеткеннен кейин арада аз-маз жым-жыртлық ҳүким сүрди. Қасым усы моментти күткендей Дүйсенбайдан сорады.
- Мен сизден бир нәрсе сорамақшы болып жүрген едим.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
20. 10

Baxıtlı SARÍBAEV

19 Oct, 16:57


Қудай қәлесе, "Ҳүждан" романы жуўмақланғаннан соң жайластырыў нийетимиз бар. Бизди бақлап барасыз деген үмиттемиз. Бәршеңизге рахмет!

Baxıtlı SARÍBAEV

19 Oct, 02:03


Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Ойында ҳеш нәрсе жоқ. Бир пикир ядына келсе гүбидей ақтарылады кетеди. Ҳеш биреўге кек сақламайды. Бирақ балқып турып сөйлеўге зор. Сөздиң аўыр-жеңилин де аңламайды.
- Адамзатқа ең керекли нәрсе не? Тамақ пенен кийим. Тек усы екеўи бар жерде ғана адам жасай алады. Биреўлер инженермен, алымман, деп шыррыяды. Бир күн тамақ жемей жүрип көрсин. Алым болғанын көрейин. Берекеттиң бәри дастурханда. Дастурханың дәрхан болса, билгир де, дана да болып кете бересең. Бул жағынан басым да әдеўир ислейди.
Баяғыда военкомат бизлерди армияға шақырды. Бардық. Ийнине жезден жулдыз қыстырып алған нәҳән бир командир:
- Араларыңызда аўқат писире алатуғын адам бар ма? - деп сорады.
- Мен, - деп алдына жуўырып шықтым. Басқа баллардың бәри де қолына бел услап стройбатқа кетти. Ал, мен болсам ишкеним алдымда, ишпегеним артымда болып, майлы быламықтың арасында болдым. Соның ушын да адам қайсы жерде болмасын тоқ жасаўдың жолын үйрениўи керек.
"Сүйек таслаған адам сүйкимли болып көринеди" деген. Бир ашыўшақ капитанымыз бар еди. Барған күнлери маған сирә күн бермеди. Соңынан бас повар болып едим, ол да мениң алдымда қыйпақ-сыйпақ етип, жағыныўға қарады. Соның ушын да абайлаңлар, жигитлер. Қолына шөмиш услаған адамда сыйқыр көп болады. Қулласы, еки жылда еңсем гүжирейип аўылға қайтып келдим.
Бир ағамыз баяғыда мени "үлкен адам етип шығараман" деп жоқарғы оқыў орнына оқытып еди. Қарасам, айлығым жүз сомнан аспайды. "Садағасы кетейин бундай оқыўыңның", - дедим.
Дүйсенбай усы жерге келгенде бир тыныс алып, қарынды кесип, өрли-ғурлы асады. Соңынан оны пүткиллей умытып кеткенлиги есине келгендей қапталында отырған ҳаялына қарады.
- Сөйтип, Сәлийма, баллардың жағдайы қалай?
- Жақсы.
- Қудайберген қассап аман ба? Бизди пүткиллей умытты ғой, ол заңғар.
Сәлийма "аман" дегенге усап басын ийзеди.
- Гөш-пөш берип тура ма?
- Ўәй, гөш қайда? Өзиниң басы менен ғай болып атыр.
- Неге?
- Жақынырақта ОБХСС қа тутылып қалыпты.
- Өзи адымсыз-дә, жаман. Болмаса аты Хожелиде не көп, милиция көп, бир-екеўине гөштен берип турғанда бәле келмейди. Қылмыс ислеген екенсең, өзиңе милицияны да қосып ал. Болмаса изи шатақ болады. Бул болса барлық пайданы өзимниң аўзыма басаман деп жүрген ғой. Бир-еки жүз манат бергенде бирден қутылып кетер еди, бийшара...
- Берген ғой.
- Ҳее?..
- Алмапты.
- Бай, бай, бай!... Өзим болғанымда ма? Барлығын бирден тас қылып таслар едим. Қудайберген деген еле шийки ғой, гөдек. Табақлас болғысы келген талапкерге дәслеп қармақ таслап көриў керек. Жемди жемеди ме, оған жолама... Теңизде түрли-түрли балық болатуғыны сыяқлы, талапкерлердиң де түрли-түрлиси болады. Биреўи алмаса, екиншисине...
Дүйсенбай ҳәмме ўақыт мақтанғанды жақсы көрер еди. Тап усы жерде де палатадағы адамларға бир балқып мақтанғысы келди.
- Қулласы, истиң көзин билмесең болмайды. Ол жолбарыс болып келип саған жара салмақшы болса, сен оған арыслан болып көрин. Сонда ғана исиң жүриседи. Бизлерди журт әпиўайы қассап деп ғана ойлайды. Бирақ жыланның жылжып киятырғанын бир күн алдыннан билетуғынымызды сезбейди. Қалай қатырдым ба? - деди өз сөзине өзи рәҳәтленип.
Күйеўиниң парықсыз ис-ҳәрекетине ҳәм сөзлерине қысынып, бир қысым болып парты шығып отырған ҳаялы, аўырыў күйеўиниң зейнине тийер, деп ойлап ҳеш нәрсе айтпады да табақ-қасықларды жыйнастыра баслады. Соңынан:
- Ендиги келгенимде қандай аўқат алып келейин? - деп сорады.
- Гөш жиликлерин шаппай писир. Тап анаў тананы сойып әкелсең де нәрсесин қалдырмай жеймиз.
- Қәйдем билейин, шабазым. Журт кеселханаға барсаң, сүт қатқан гүриш гөжеден басқаны апар ма, деп шыр-пыры шығып атады.
- Гүриш гөже ишип, биз бир асқазанымыз аўырып жатыр ма? Бизлердиң жүректен басқа жеримиздиң бәри саз. Ҳәзир моторымыз болса сынақтан өткен. Енди не әкелсең де жей беремиз, - деп шала-пала сөйлеп, Дүйсенбай жүрипти ҳалықлап.
- Тезден саўалғайсыз, - деп тилек билдирип Сәлийма есиктен шықты.
7
Түстен кейин палатада тек үш адам ғана қалды. Басқасы таза ҳаўада дем алыў ушын сыртқа шығып кетти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 10

Baxıtlı SARÍBAEV

18 Oct, 06:31


Бир аўыз сөз жаралайды жүректи

Кеўилди аўыртса шыдамақ мүшкил,
Жүректен тамшылап ағып турар қан.
Умытпайық оның екенлигин гүл,
Сақлаў керек солдырыўшы сынақтан.

Аўырды жүрегим бир аўыз сөзден,
Пышақсыз сойғандай болды денемди.
Тоқтаўсыз жас тамды жуп қара көзден,
Жубаныш алайын қайдан мен енди?!

Таўдай жүктен аўыр салмағы сөздың,
Көтериўге әззи жанның қуўаты.
Көнлиге-көнлиге майысар төзим,
Ҳазар берип бир сөз жүрек суўлады.

Бир аўыз сөз турмас сеслерден тек те,
Жанға тәсир етер үлкен мазмун бар.
Инсанды бахытлы я муңлы еткен,
Ескермес сол жағын базы адамлар.

Сөзди қулақ мәзи қоймайды тыңлап,
Анализ етилер мийде, жүректе.
Тәрбия саналар жеткериў таңлап,
Ойланбай айтылса өтер сүйектен.

Тил себепли алып питпес жарақат,
Байғус кеўил азап шегер ортада.
Пикирлеў ушын да керек парасат,
Парықсыз сөйлеўши жаннан қорқаман.

"Қой, шыдайын, сабыр етейин" деймен,
Тасқынлаған йоштан айрылдым, бирақ.
Өтиниш, жақсылар, кеўилге тиймең,
Көз ашсын кеўилде мөлдир бир булақ!

18-октябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Baxıtlı SARÍBAEV

18 Oct, 04:46


Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының Аўыл хожалығын механизацияластырыў ҳәм суў хожалығы факультетинде классик шайыр Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына арналып өткерилген илажда мийманда болып, студент жасларға көрнекли тулғаның бийбаҳа дөретиўшилиги бойынша мағлыўматлар берип өттик.

@BaxitliSaribaev