ANA TILIM - QALQANÍM @ana_tilim_qalqanim Channel on Telegram

ANA TILIM - QALQANÍM

@ana_tilim_qalqanim


@qaraqalpaq_tilim_qalqanim telegram kanalı menen @qara_qalpaq_tili toparınıń dawamı - @ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM (Kazakh)

ANA TILIM - QALQANÍM telegram kanalı @qaraqalpaq_tilim_qalqanim menen sizge Qaraqalpaq tili toparınıń dawamı bar. Bu kanalda Qaraqalpaq tilini saqqan, oqıdan, yazıdan birde tonalgoz ederken bilgenge bastalıq pen tanıstan bolatıngız. Qaraqalpaq tili Qaraqalpaqistanda negizgelgen tilsilerdiń biri bolup, unıń ozdık kulturı, ğyz magiı, sanaty pen tarıhxan toparı bar. Qaraqalpaq tili menen alaqe qur, dostlıq pen tanışıq qura, şebirge sabıylyq pen aqılardy tazelen. Ana tilim - Qalqaním kanaly Qaraqalpaq tiliniñ rıғat yakkalamı. Sizge Qaraqalpaq dilini tanıstıra yoli sheshilgen. Ana tilim - Qalqaním telegram kanalı arqılı Qaraqalpaq tilini oқıp, tanısa, suzısa beyіn oquwatıngız, muhabet yasawatıngız, yaxshi dostar tapwatıngız. Qaraqalpaq tilini bastalıq bir sozder menen oқıwatıngız. Qaraqalpaq tili, Qaraqalpaqtıң dawamlıq қatarynda ata tіlі rıғatına shalwergen til.

ANA TILIM - QALQANÍM

29 Jan, 09:16


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ЫСҚЫШ, ЫСЛАЎ, ЫСЛЫҚ, ЫШТАҚ, ЯБЫ, ЯҚЫТ, ЯРАМАЗАН, ЯРЫЙ, ЯЎМЫТЫ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

29 Jan, 09:16


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ЫЛАПЫШ, ЫЛАШЫҚ, ЫЛБЫР, ЫЛҒЫЙ, ЫЛДЫЙ, ЫЛДЫМ-ЖЫЛДЫМ, ЫМЫРТ, ЫНЖЫҚ, ЫНТЫҚ, ЫҢҒАЙ, ЫҢ-ЖЫҢ, ЫРАҢ, ЫРАШ, ЫРҒАНАҚ, ЫСҚӘДЕМ, ЫСҚЫН сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

29 Jan, 09:16


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ЫҚПА, ЫҚРАР, ЫҚТЫҚАТ, ЫҚТЫРМА, ЫҚТЫЯР, ЫҚТЫЯТ, ЫҚШЫЛ, ЫЛАЙҚАТ, ЫЛАҢ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

25 Jan, 09:05


#durıs_qollanayıq!

📌 axборот - málimleme, informaciya
📌 дәстүр (дастур) - baǵdarlama
📌 тәдбир (тадбир) - ilaj: ádebiy keshe, ushırasıw, ...
📌 садр етилген - júz bergen, bolǵan
📌 имза - qoltańba
📌 малака ошириш - mamanlıqtı arttırıw
📌 шикаят (шикоят) - arız
📌 танықлы - belgili, ataqlı
📌 тамарқа (томорқа)  -  móldek jer, qıytaq jer
📌 маблағ - ǵarejet, qarjı
📌 асас (асос) - tiykar
📌 ғурур - maqtanısh
📌 вақима - qorqınısh



═════❁✿❁═════
Kanallarımızǵa aǵza bolıń👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

13 Jan, 16:25


#қарақалпақтили
Ҳуқықый ҳүжжетлерде көп ушырасатуғын айырым өзбек тилиндеги терминлердиң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы

○ Айбланувчи – Айыпланыўшы
○ Ахборот – Мәлимлеме, информация
○ Амалиёт - Тәжирийбе
○ Баённома - Баянлама, протокол
○ Банд - Бәнт
○ Ватанпарвар – Ўатан сүйиўшилик
○ Васийлик – Қәўендерлик
○ Гумон қилинувчи – Гүман етилиўши
○ Дастур – Бағдарлама
○ Дахлсизлик – Қол қатылмаслық
○ Далолатнома - Акт
○ Жиноят содир этиш – Жынаят ислеў
○ Жарима – Жәрийма
○ Зиддият - Қарама қарсылық
○ Ирода - Жигер
○ Идора - Кеңсе
○ Илова – Қосымша
○ Ихтиёрий – Ықтыярлы
○ Имзо – Қолы
○ Имтиёз – Жеңиллик
○ Йўллама - Жолланба
○ Кўриб чиқиш – Қарап шығыў
○ Қисм - Бөлим
○ Қонун – Нызам
○ Қонун устунлиги – Нызам үстемлиги
○ Қонунга ўзгартириш киритиш – Нызамға өзгерис киргизиў
○ Лойиҳа - Жойбар
○ Модда – Статья
○ Маъмурий – Ҳәкимшилик
○ Маҳаллий – Жергиликли
○ Мурожаат - Мүрәжат
○ Маънавий – Руўхый
○ Муносабат – Қатнасық
○ Мажбурият – Миннетлеме
○ Масъул – Жуўапкер
○ Муаммо - Машқала
○ Мукофот – Сыйлық
○ Мансабдор - Лаўазымлы, ҳәмелдар
○ Малака ошириш - Маманлықты арттырыў
○ Муассаса - Мәкеме
○ Нотурар жой - Турақ емес жай
○ Ноаниқлик - Анықсызлық
○ Низом – Реже
○ Низо – Келиспеўшилик, даў
○ Номзод – Талабан
○ Оммавий – Ғалабалық
○ Рағбатлантириш – Хошаметлеў
○ Рамз - Нышан
○ Таъминлаш - Тәмийинлеў
○ Тадбиркорлик - Исбилерменлик
○ Турар жой - Турақ жай
○ Тугатиш - Сапластырыў
○ Тақдим этиш - Усыныў, бериў
○ Тавсия - Усыныс
○ Тизим – Система
○ Умуминсоний – Улыўма инсаныйлық
○ Фоиз - Процент
○ Фармойиш – Бийлик
○ Фаровонлик – Абаданлық
○ Фаолият – Жумыс, искерлик, хызмет
○ Ходим - Хызметкер
○ Ҳамкорлик - Бирге ислесиў
○ Ҳавола – Силтеме
○ Хатбоши - Абзац
○ Ҳуқуқбузарлик – Ҳуқық бузыўшылық
○ Ҳудуд – Аймақ
○ Ҳомийлик – Әменгерлик
○ Хусусий – Меншик
○ Чора-тадбир – Ис-илаж
○ Шакллантириш - Қәлиплестириў
○ Шикоят - Шағым
○ Шахсий – Жеке
○ Ягона – Жалғыз, бирден бир

☝️Тилимизге бийпарық болмайық!

🔔 Мағлыўматты ҳүжжетлер менен ислесиўши жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

ANA TILIM - QALQANÍM

31 Dec, 06:10


<<ҚАРАҚАЛПАҚ КАЛЕНДАРЫ>>

Жыл 12 айға бөлинеди. Жылдың ҳәр бир айы ҳайўанның аты менен байланыслы.

1. Тышқан: 1972, 1984, 1996, 2008, 2020;
2. Сыйыр: 1973, 1985, 1997, 2009, 2021;
3. Барыс: 1974, 1986, 1998, 2010, 2022;
4. Қоян: 1975, 1987, 1999, 2011, 2023;
5. Улыў: [Дракон] 1976, 1988, 2000, 2012, 2024;
6. Жылан: 1977, 1989, 2001, 2013, 2025;
7. Жылқы: 1978, 1990, 2002, 2014, 2026;
8. Қой: 1979, 1991, 2003, 2015, 2027;
9. Мешин [Маймыл]: 1980, 1992, 2004, 2016, 2028;
10. Таўық: 1981, 1993, 2005, 2017, 2029;
11. Ийт: 1982, 1994, 2006, 2018, 2030;
12. Доңыз: 1983, 1995, 2007, 2019, 2031;

1- орында жыл басы ТЫШҚАН турады. Тышқан жылы халыққа қолайлы келеди, жақсы жыл деп есапланады, жаўын көп жаўады, гүзде егинниң өними мол болады. Егинниң баҳасы арзанлайды, бирақ, усы жылы тышқан көп туўады, сонлықтан оның егинге зыяны болады. Тышқан жылы туўылғанлар ақыллы болады. Тышқан түркий календарьда жылдың ортасында туўылған адам өтирикши, қызғаншақ, бирақ келбети келискен болады десе, қытай календарында тил тапқыш, жағымлы, керек сөзди таўып билетуғын, қызық әңшимешил,, бирақ сықмар, властьты жақсы көретуғын болады.

2- орында СЫЙЫР келеди. Сыйыр жылы қыс суўық, қатты келеди, ҳайўанлар көп аўырады, егинниң өними төменлеп кетеди. Сыйыр жылы туўылғанлар талантлы, кеўилли, сөзшең, консерватив болады. Адамларға ҳақ нийет, ҳүрмет пенен қарайды. Сыйыр жылы [Қытайда Өгиз] түркий календарьда жақсы жыл. Усы жылы туўылған балалар ҳақ кеўил, ҳәрекетшең. Қытай календарында сыйыр жыды туўылғанлар мийнеткеш, жақсы, оның мийнети қуры кетпейди, жақсы жемис береди, ол өжет, қайтпас, оны өзгертиў қыйын, өзиниң алған бағытынан өлсе де қайтпайды.

3- орында БАРЫС турады. Барыс жылы қыс ерте түседи, суўық болады. Ден саўлығы нашар адамлар менен диний адамлар ортасында өлимшилик көп болады. Егинниң өними мол болады, бул жылы туўылғанлар сулыў, сымбатлы болып келеди. Барыс жылы туўылғанлар ҳақ кеўил, жумсақ характерли болып келеди. Олар жетилискен адам болады. Жылдың аяғында туўылғанлар қорқақ, бирақ, ақыллы болады. Қытайларда барыс [тигр] өз қызығы менен жасайды, басқаның пикири менен есапласпайды. Қыс қысқа, бирақ жүдә қатты суўық болады.

4- орында ҚОЯН турады. Қоян жылы қыс турақсыз, тез-тез өзгерип турады. Жыл тынышсыз болады, адамлар бири-бири менен урысады. Усы жылы туўылғанлардың көпшилиги атақлы адамлар болады. Қоян жылы туўылғанлар бай болады, өзлерине исенимли, минези жақсы болады. Жылдың аяғында туўылғанлар мийримсиз болады. Қытай календары бойынша, олар элегант адамлар, искусствоны жақсы көретуғын, әдебиятты, музыканы жақсы түсинеди. Бул жылы мийўе мол болады, қыс жумсақ, жыллы болады.

5- орында УЛЫЎ турады. Улыў жылы жаўын көп болады, егин өнимли болады. Усы жылы туўылғанлардың ден саўлығы күшли, беккем, өзлерин жақсы көреди, жәмийетте атақлы адам болыўды жақсы көреди.

6- орында ЖЫЛАН турады. Жылан жылы жүдә суўық келеди. Егинниң өними мол болады. Бул жылы туўылғанлар ақыллы, бир сөзли, алға қойған мақсетине жетиў ушын гүреседи, көп сөйлемейди, сумлықлы болады. Бул жылы адам жағдайды түсинип, дурыс шешим қабыллаўы керек, биринши орында адамның актив ҳәрекети емес, ойлаўы, дурыс жолды таңлаўы турады.

7- орында ЖЫЛҚЫ жылы турады. Жылқы жылы суўық болады. Егинниң өними аз болады, қариялар арасында өлим көп болады. Усы жылы туўылғанлар шыдамлы, қыйыншылыққа төзимли, кеўилли, ақыллы, талантлы болып келеди. Олар еркинликти, ҳеш кимнен ғәрезсиз болыўды жақсы көреди. Бул жылы адам шыдамлы болғаны жақсы.

8- орында ҚОЙ турады. Қой жылы қыс қатты келеди. Жыл табыслы, өнимдар болып келеди. Усы жылы туўылғанлар диншил болып келеди. Жалғызлықты жаман көреди, бурынғы өтмиштеги өмирин умытады, жақсы жолдас, психолог болады.

9- орында МАЙМЫЛ турады. Маймыл жылы жаўын және қурғақшылық болады. Бул жылы туўылғанлар турақсыз, қарама-қарсылықлы характерли болады, бирақ, ақыллы, тез уғып алғыш, творчестволық уқыбы күшли болады.


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/karanakilmakal
https://t.me/karanakilmakal

ANA TILIM - QALQANÍM

28 Dec, 15:53


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ЫҒЎА, ЫҒЫН-ЖЫҒЫН, ЫҒЫР, ЫЗБА, ЫЗБАЛЫ, ЫЗБЫР, ЫЗЫЛДАЎЫҚ, ЫЙЫҚ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

28 Dec, 15:53


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ШЫРГҮБЕЛЕК, ШЫТАҚ, ЩАВЕЛЬ, ЩУП, ЫБЫР, ЫБЫР-СЫБЫР, ЫБЫРЫҚ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

28 Dec, 15:53


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ШЫЛБЫР, ШЫМШЫМ, ШЫМ-ШЫТЫРЫҚ, ШЫНҒЫР, ШЫНТАҚ, ШЫӉҒА, ШЫПТА сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

28 Dec, 15:52


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ШҮБЕРЕГИН, ШҮЙ, ШҮЛЕН, ШҮЛЛИК, ШЫЛАПШЫН сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

28 Dec, 15:52


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ШӨКПЕСИН, ШӨМИШ, ШӨӉГЕ, ШУБАЛАӉҚЫ, ШУБАТ, ШУҚАНАҚ, ШУҚАНАҚ ШАЛШЫҚ, ШУҚЫР, ШУЎАҚ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

28 Dec, 15:52


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ШОЛАҚ, ШОЛАСҚАН, ШОЛПЫ, ШОЛЫЙ, ШОЛЫП, ШОМ, ШОРҚАҚ, ШОРҚАТ, ШӘГИР, ШӘГИРТЕК сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

28 Dec, 15:52


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ШИРЕПАЗ, ШОЙЫН, ШОҚАЛАҚ, ШОҚА-ШОҚА, ШОҚҚЫ, ШОҚША, ШОҚЫРАҚ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

21 Dec, 12:55


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ЧАЙГҮМ, ЧАЙПУРЫШ, ЧАЙПУРЫШЛЫҚ, ЧАЙХОР, ЧАЙШӨП, ЧАКСА, ЧАПАТИ, ШАБАҚ, ШАБЫС сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

21 Dec, 12:55


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ШАҒЫН, ШАДЫМАН, ШАҚҚЫ, ШЕР, ШЕРЕКЛИК, ШЕРИМ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

21 Dec, 12:55


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ШЕРИМ ЕТИК, ШЕРИН, ШЕРТИССЕК, ШЕТ, ШИБИШ, ШИГИН, ШИЙДЕК, ШИЙРАЗЫ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

18 Dec, 08:13


"Xalıq aralıq arab tili kúni"
18-dekabr "Xalıq aralıq arab tili kúni"

1. Dаd tili. Sebebi ol dаd háribi bar dúnyada birden-bir til sıpatında ajıralıp turadı.
2. 14 ásirden berli ózgermeydi hám aylanıstan shiqpaydı
3. 422 millionnan artıq adamlar arab tilinde sóylesedi
4. Arab tilindegi sózler sanı 12302912, inglis tilindegi sózler sanınan 25 ese kóp.
5. Arab tili 16 mıń leksikalıq tiykarga iye, latın tilinde tek ǵana 700 leksikalıq tiykar bar.
6. Basqa tiller de arab háripleri menen jazıladı: kurd tili, malay tili, buringi túrk tili hám parsı tilleri sıyaqlı.
7. Arab mámleketleri jámiyetin quraytuģın 22 mámlekettiń rásmiy tili.
8. 2016-jildan dúnyada eń kóp tarqalgan besinshi til.

ANA TILIM - QALQANÍM

17 Dec, 08:34


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ҲӘТТЕРШИ, ҲӘЎЕС, ҲӘЎИЖ, ҲӘЎИР, ҲӘЎКЕ, ҲӘЎЛЕКИ, ҲӘЎЛИКПЕ, ҲӘШЕМЕТЛИ, ҲИНЖИ, ҲОҚҚА, ҲӘККИ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

17 Dec, 04:29


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ҲӘӉ, ҲӘӉГИ, ҲӘӉИЗ, ҲӘПЗАМАТ, ҲӘРЕМ, ҲӘРНЕ, ҲӘРРЕК, ҲӘСЕМ, ҲӘСЕР, ҲӘСИРЕТ, ҲӘСТЕДЕЙ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

17 Dec, 04:29


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ҲӘЙКЕЛ, ҲӘКӘК, ҲӘКЕРИ, ҲӘКИС, ҲӘМДӘМ, ҲӘМИР, ҲӘМИРЕ, ҲӘМИЎ, ҲӘМИЯН сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

17 Dec, 04:29


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ҲАЛЎАЛЫ, ҲАЎА СОҚЫ, ҲӘББЕН, ҲӘДДИ, ҲӘЖЕТ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

17 Dec, 04:29


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ҲАЛЎА, ҲАРЫЛДЫ, ҲАСЛА, ҲАСЫЛ, ҲАЎАЙЫ сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

17 Dec, 04:29


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ЎАҒАЛАЎ, ЎАҒЫРЛЫ, ЎАЖЫЛДЫ, ЎАҚЫМ, ЎАРСАҚЫ, ЎАСПЫ, ЎАСЎАС, ЎӘЖ, ЎӘРЛИК сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

17 Dec, 04:29


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ФАЗЫЙЛЕТ, ФАЗЫЛ, ФИРУЗА, ФОН, ХАНА, ХАНАЗАТ, ХАНАТЛАС, ХАНИМАРДАН, ХАТИР сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

17 Dec, 04:29


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ХОР, ХОРЕНИШ, ХОШИРЕЙ, ХОШМИНАЙЫМ, ХЫЙШЫ АҚРАБА сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

17 Dec, 04:29


Қарақалпақстан телеканалыныӊ «Ассалаўма алейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниӊ «Гәўҳар сөзлер» рубрикасында Қарақалпақ тилиниӊ түсиндирме сөзлиги китабынан ҲАЛАҚА, ҲАЛАҚАДАЙ, ҲАЛАЛА, ҲАЛАТ, ҲАЛҚА, ҲАЛҚАС сөзлериниӊ мазмун-мәниси ҳаққында.


Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtrk

ANA TILIM - QALQANÍM

02 Dec, 03:49


Тилимизди сақлап қалайық.

Бәри өз қолымызда😊

https://t.me/Sóz_marjanı

ANA TILIM - QALQANÍM

02 Dec, 03:48


Бүгин 1- декабрь Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилген күн. Бәршеңизди усы байрам менен шын жүрегимнен қутлықлайман.
Дунья турғанша тур, Қарақалпақ тилим!

Ана тилим байлығымсаң, барымсаң,
Мақтанышым, тумарымсаң, арымсаң,
Сениң менен урып турар жүрегим,
Өлген күним егер сеннен арылсам!

Гулзар Қурбанбаева
Сахра гүли ⚘ 

https://t.me/Sóz_marjanı

ANA TILIM - QALQANÍM

02 Dec, 03:43


"Ана тилим сен басқадан айырмам,
Сен турғанда мен де әдеўир шайырман...

Ибрайым Юсупов
https://t.me/ibratli_sozler

ANA TILIM - QALQANÍM

02 Dec, 03:04


#Қутлықлаў

Тил -миллеттиң руўхый байлығы. Қайсы елди, қайсы миллетти алып қарамайық сол жердиң өз ана тили болады. Ана тилди ата-бабаларымыз әўладтан-әўладқа таза, сап ҳалында жеткерип келген. Сол сыяқлы қарақалпақ тили де өзиниң көп әсирлик тарийхына ийе. Тил бул ҳәр бир халықтың өзлиги, руўхый дүньясы, таўсылмас байлығы. Қарақалпақстан телеканалы жәмәәти гүллән халқымызды 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.

Каналға ағза болыў: https://t.me/kkmtr

ANA TILIM - QALQANÍM

02 Dec, 02:56


Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен ӨзЛиДеП белсендилери гүллән халқымызды қутлықлайды.

Каналға ағза болыў: @Kar24Uz

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 16:31


Жедди айы зуўлап өтип кеткенше...

"Ана тилим, сен - басқадан айырмам"...
Базылардың итибарына "қайылман",
Жедди айы зуўлап өтип кеткенше,
"Дана тилим" деп даўыслар қайырдан.

Уллы байрам өтер, сөйтип, қаяғы?!
Баяғы - баяғы, шопан таяғы,
Қуў ебине, таз кебине барғандай,
Тил қалады, мамырланып аяғы.

Бир әбески әнтек бар - аў, бизлерде,
Тил ушында - бүлбил, нықап - жүзлерде.
"Ана тилим" - деп, толықсып көзаба,
Даўрық салып сүренлеймиз дүзлерге.

Неге дәркар, бәлент пәрўаз арнаўлар?!
Қарақалпақ руўҳы эй, саңыраўлар,
Көкирек жарып көмекейден шықпаса,
Тилимизди жутар өзге тарнаўлар.

Тил тәғдири - ел тәғдири, билесиз,
Сөйте тура тил аўҳалы эҳ, ессиз!..
Күйип - писип шынын айтса жанкүйер,
Қулақларды тәмбилейсиз, илесиз.

Сағақлары кеўип қалған балықтай,
Болмағаймыз тили өлген халықтай,
Деп, қайғырсақ жаўдырасқан нәўшеге,
Қарақалпақша үйретейик жалықпай.

Оқымасақ том - том китап сөйлемес,
Сап сөйлессек, қәне, кимлер қой демес?!
Тил үйренген жақсы, бирақ қәйтсе де,
Ана тилин ҳүрмет еткен пәнт жемес.

Автор : Азат Даўышбаев

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 15:42


Сырласымсаң ана тилим

Меҳрине бөленип ата-анамның
Туўылған уямда таныдым сени.
Төрине жайғасып кеўилханамның,
Жақын сырласыма айландың мениң.

Еситкен сөзлерим сиңип қулаққа,
Басладым сөйлеўди ана тилимде.
Үлкен бахыт ата-ананы қуўантқан,
Алақанда аймалады күлимлеп.

Ана мектеп бизге ашқанда қушақ,
"Әлипбе"ден ашып басладық саўат.
Билим суўсынына қандырып булақ,
Бойда қәлиплести ақыл-парасат.

Жақсы көрип ана тили сабағын,
Билдик сөз мәнисин, сөзлик қурамды.
Мениң жан сарайым, өмир соқпағым,
Билимниң шуғласы менен нурланды.

Әдиўли устазым бергенде сабақ,
Тилдиң хызметинен шебер қолланды.
Мәртлиги сүйсинтип түргенбиз қулақ,
Айтып берсе "Алпамыс"ты, "Қоблан"ды.

Меңгериўим ушын пәнлерди басқа,
Әзиз ана тилим үлкен жол ашты.
Билгеним ойылып жазылды тасқа,
Билимниң өзеги жақын жолдасым.

Пикирлесип ана тилим арқалы,
Баўыр басып дослар арттырдым садық.
Кеўлимдегин айтып шерим тарқады,
Ойыңды жеткериў бағышлар шадлық.

1-декабрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 15:41


💋❤️1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенине, Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине быйыл 35 жыл толды.

❤️ Бәрше ўатанласларымызды бүгинги тарийхый сәне "Қарақалпақ тили байрамы" менен шын жүректен қутлықлаймыз.

❤️Қарақалпақ тилинде сөйлеў, жазыў, қарекеңше сәўбетлесиў бул түсинген адамға үлкен бир бахыт.
❤️ Қарақалпақша тиллесиў, сырласыў, муңласыў, қуўанышыңды қарақалпақша бөлисиў, дөретиўшилигиңди қарақалпақша баян етиў уға билген адам ушын бул тәкирарланбас бийбаҳа ғәзийне.
❤️Руўхый әлемиңди Ана тилиң болған Қарақалпақ тилинде байытыў, <уўыз бенен руўхын қаныңа сиңдире алыў> бул нағыз байлық.

❤️Усындай бахыт, байлық, ғәзийне шамшырақлары бизде, сизде, ҳәр биримизде мәңгиге нур таратып жарқырап турсын!
❤️Сөз қудиретин баба мийрасымыз қарақалпақ тилинде жеткериўдей ығбал-бахты  келешек әўладларымызға, урпақларымызға мәңгиликке несип етсин!

❤️Қарақалпақ тилиндеги ой өрисимиз де, жол өрисимизде кең болғай!

❤️ «ҚӘСТЕРЛЕЙГӨР ДӘСТҮРИҢДИ, ТИЛИҢДИ,
ДЕП ӘРМАНЛЫ ӨТКЕН АТА-БАБАЛАР!»


👍Ҳ/п: Светлана Жәлменова Шамшырақ Сарқырама ҳәм "Қарақалпақ Байтереклери" каналы администрациясы

✈️линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
❤️канал: Қарақалпақ Байтереклери

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 13:04


Ájiniyaz filmi 2024

Xalqımız tárepinen kópten kútilgen tariyxiy filmde ullı shayırımız Ájiniyaz Qosıbay ulınıń atın máńgilestiriw, sonday-aq, keleshek áwladqa jetkerip beriw ushın balalıq hám jaslıq jılları, dóretiwshilik jolı hám sol dáwirdi sáwlelendirgen halda sheberlik penen súwretke alınģan "ÁJINIYAZ" kinofilmi názerińizge usınıldı.

Kanallarımızǵa aǵza bolıń!👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 12:41


#til_bayramı


  1-dekabr — qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyligi berilgen kún

   Ana tilimizdiń til biyligi alǵanına 35 jıl tolıwı múnásibeti menen gúllán xalqımızdı kanalımız atınan qızǵın qutlıqlaymız.



Kanallarımızǵa aǵza bolıń
!👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 08:26


#қутлықлаў
  
1-ДЕКАБРЬ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНЕ МӘМЛЕКЕТЛИК ТИЛ БИЙЛИГИ БЕРИЛГЕНИНИҢ ОТЫЗ БЕС ЖЫЛЛЫҒЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

 Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти, республикамыздағы бәрше мешит имам-хатиблери гүллән халқымызды бүгинги ана тили байрамы менен шын жүректен қутлықлайды!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 08:17


​​#til_bayramı

🔻22-noyabr — ANA TILI MENIŃ QÁLBIMDE (shayır-jazıwshı, baqsı-jıraw, sázende, qıssaxan, qosıqshı, súwretshilerimizdiń … dóretpeleri)

📣DÍQQAT⚠️ Búgin "Til hápteligi"mizdiń sońģı kúni. Demek, búgin kún dawamında dóretiwshilerimizdiń ana tili haqqında tayarlaǵan dóretpeleri menen tanısıp baramız.

KONSTITUCIYAM QORǴAǴAN QÁDRIYATÍMSAŃ

Búgin bir sırlasayıq babamnıń tili,
«Til bayramı» bolsın bizlerdiń bánemiz.
«Ǵáziynem, baylıǵım!» dep, táriplep Seni
biz – miyrasxor áwlad maqtanıp kelemiz.

Úlken májilislerde Seni ulıǵlap,
qosıqlar toqıydı shayırlar hár jılı.
Mıń jıllıq baba tildi keldi qorǵap
Alpamıs hám Qoblan – atamnıń tili!...
Alpamıs hám Qoblan – atalar tili.

Urıs ummanları tarpıwı táǵdirdiń;
Kóklem, Jaz hám Gúz, Qıs – Táńirimniń sırı.
Órtler ishinde kúymey márdana turdıń!
Tumaris hám Gúlayım – anamnıń tili!...
Tumaris hám Gúlayım – analar tili.

Hár ses – fonemańda tulparlar kisnewi,
semser hám nayzanıń, qalqannıń qosıǵı!...
oq tiygen batırdıń jer hám til tislewi –
topıraq, qan, nan, hám duz dámi qosılıp…
Semser hám nayzanıń, qalqannıń qosıǵı.

Qunarlı topıraqtay bereket darıǵan,
hám qonaqshıl úydey, miymandos tilseń.
Qanday sóz kirse de, qabıllap bárin hám
irgeń hám kewlińe sıydırıp júrseń…
Forma hám mazmunıńa sıydırıp júrseń.

Arabtan, parsıdan, orıstan, latınnan
jat sózler qonaq bolıp jaylasıp aldı.
Waqtında «Qayta ǵoy…» dep, aytpaǵanlıqtan,
tórińdi iyeledi, ketpesten qaldı…
Tórińde janbaslap, jayǵasıp aldı.

Saqıylıq degen de bunshelli bolar ma?...
Óz perzentleriń shiyden sırtta qalajaq.
Leksika elindegi shańaraqlarǵa
shet elli kirme sózler sultan bolajaq…
Óz perzentleriń shiyden sırtta qalajaq.

Lekin, tiller menen tillerdiń qatnasın
bul jaqtı dúnyada biykarlap bolmaydı.
Qúdiretli qırq tildiń global ayqası
tillerdi qorqıtıp, qáwipli jańlaydı…
Qálbimdi hawlıqtırıp jaǵımsız jańlaydı.

Hár eki háptede bir tildiń «namazı» –
Globallasqan ásirdiń ashshı demi bul…
Áydarha – migraciya moyının sozıp,
az sanlı xalıqlarǵa otlar búrkip tur…
Globallasqan zamannıń ashshı demi bul.

Ana til! Maqtawıma mútáj emesseń,
Araldı maqtap-maqtap, keyni ne boldı?!...
Sen búgin qorǵawıma kútá zárúrseń,
taza Jayhunıma alqındı shor toldı…
Jayhun tilim, seni degishler aldı.

Aytsam – sóz, jazsam – xatsań; ruwxıyatımsań,
Táńde – qan, qanda – jan, namıs hám arımsań.
Konstituciyam qorǵaǵan qádriyatımsań –
Qálbimniń jarasıǵı – óziń baba til,
Kózimniń qarashıǵı – ata-ana til!...

✍️ Baxtiyar Genjemuratov


📚 @qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚 @qara_qalpaq_tili
📚 @ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 08:12


Ҳүрметли ҳәм әзиз ўатанласлар!

Сизлерди 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайман!

1989-жыл 1-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилди. Мине Ана тилимиз 35 жасты қарсы алмақта.

Қарақалпақ тили - халқымыздың бийбаҳа байлығы, миллий мақтанышымыз тымсалы болып табылады. Бул тил әсирлер даўамында халқымыздың тәрийхы, мәденияты ҳәм қәдириятларын сақлап, оларды келешек әўладларға жеткерип келмекте. 1989-жылда Қарақалпақ тилине мәмлекет тил бийлиги берилиўи миллий өзлигимизди аңлаў, мәдений мийрасларымызды сақлаў ҳәм оларды қәдирлеў жолындағы үлкен тарийхый қәдем болды.

Бүгинги күнде Ана тилимиздиң илим, билимлендириў, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларыдағы орны және де беккемленип, халық аралық көлемде де тән алынбақта. Бул болса бизге үлкен күш бағышлайды. Тилимизди раўажландырыў және оның бай мүмкиншиликлерин ашып бериў жолында белсенди мийнет қылып атырған бәрше инсанларға миннетдаршылық билдиремиз.

Ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз - Ана тилимизди сүйиў, әлпешлеў және оны келешек әўладларға сап ҳәм бай ҳалында жеткериў болып табылады.

Тағы бир мәрте бәршеңизди бул уллы сәне менен қутлықлап, саў-саламатлық, бахыт, ығбал ҳәм пәраўанлық тилеймен! Қарақалпақ тилиниң жарқыраған келешеги жолында биргеликте жаңа шоққыларға ерисиўимизге исенемен.

Ҳүрмет пенен Батырбек Тѳлепбергенович Қайыпбергенов,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри

📱Telegram  📱Instagram  📱Facebook 📱YouTube

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 08:12


Qádirli Watanlaslar!

Húrmetli doslar!

Búgin 1-dekabr - Qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyligi berilgenine 35 jıl tolmaqta. Usı kúnde biz óz ana tilimizge, onıń gózzallıǵına hám baylıǵına húrmetimizdi kórsetemiz.

Til - millettiń kimligin, mádeniyatın hám tariyxın sáwlelendiredi. Biziń ana tilimiz - ózligimiz, maqtanıshımız hám keleshegimizdiń gilti.

Hár birimiz ana tilimizdi húrmet etiw, onı úyreniw hám rawajlandırıw minnetine iyemiz. Mámleketlik tilde sóylesiwińiz, jazıwıńız hám pikirlerinizdi bildiriwińiz - bul siziń ózine tán basqa tillerden ózgesheligińizdi bildiredi.

Bayramıńız jáne bir márte múbárek bolsın!

Ana tilimiz máńgi jasay bersin!


KOJABAEVA GÚLISTAN TALASBAEVNA
Qaraqalpaqstan Respublikası Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministri

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 08:12


ТАТУ филалы профессор оқытыўшыларының 1-декабрь "Мәмлекетлик тил бийлиги күни"не арналып түсирилген видео ролик !

Каналға ағза болыў: @hoja_uz

ANA TILIM - QALQANÍM

01 Dec, 08:12


Наўайы ўәләяты жаслары қарақалпақ тилине "Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн" байрамын өткерди.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz

ANA TILIM - QALQANÍM

19 Nov, 17:36


@Tusindirme_sozlik

ANA TILIM - QALQANÍM

19 Nov, 17:21


Ассалаўма әлейкум.

Сизлер қандай да бир сөздиң мәнисин излеп, түсиндирме сөзликлерден таба алмадыңыз ба? Ондай болса, бизде жаңалық!

Ҳәзирги ўақытта түсиндирме сөзликтиң 7 томлығы еледе толықтырылып атыр. Сиз де үлесиңизди қоссаңыз болады.

Қалып қойған сөзлер болса, мысалы менен бизге жазып жиберсеңиз. Қәте-кемшиликлер болса да қабылланады. Бул арқалы сиз сөзликти дүзиўшилерге көмекши болар едиңиз. .

ANA TILIM - QALQANÍM

13 Nov, 06:59


Ташкентте көшелердеги дағаза (реклама) баннерлеринеқарсы "урыс" басланды, Ташкент район хәкимиятлары баннерлерди алыўын "қала көрки жақсыланады" деп ҳәмде "Дағаза ҳаққында нызам" әмелде қолланыўы менен түсиндирмекте - көплеген дағаза (реклама) өзбек тилинде емеслиги айтылмақта.

Бизде де нызамсыз рекламаларға "урыс" жәриялайтуғын ўақыт келмедиме екен я Ташкенттен "тапсырманы" күтемизбе?

P.s. Рекламалар ең әўели мәмлекетлик тиллерде - қарақалпақша, өзбекше, соңынан басқа бир қәлеген шет тилде (русша,инглизше) жазылыўы керек деп ойлайман.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz

ANA TILIM - QALQANÍM

19 Sep, 07:46


#til_haqqında

🔔 Ortak türk Alfabesi



Kanallarımızǵa mirát etemiz👇

📚 @qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚 @ana_tilim_qalqanim
📚 @qara_qalpaq_tili

ANA TILIM - QALQANÍM

19 Sep, 04:18


#tilshiler

📚 Qaraqalpaq tilin izertlewge úles qosqan jigirma ilimpaz tuwralı maǵlıwmatlar qaraqalpaqsha Wikipediaǵa qosıldı. Endi olar tuwralı maǵlıwmattı internetten yamasa Kaa.wikipedia.org saytına latın háripleri menen qátesiz jazıw arqalı taba alasız.

1. Axmet Qıdırbaev
2. Ayjarıq Bekbergenov
3. Ábdiqádir Niyazov
4. Dosjanbay Nasırov
5. Ernazar Dáwenov
6. Esemurat Berdimuratov
7. Húsniddin Hamidov
8. Kenjebay Ubaydullaev
9. Mamıt Qálenderov
10. Mámbetkerim Qudaybergenov
11. Oraqbay Dospanov
12. Oraqbay Sayımbetov
13. Qálender Ábdimuratov
14. Qudiyar Pirniyazov
15. Quralbay Paxratdinov
16. Qutlımurat Allanazarov
17. Ráwiya Esemuratova
18. Shamshetdin Abdinazimov
19. Ulbosın Dáwletova
20. Uzaqbergen Embergeno

Taǵı qarań: «Qaraqalpaq tiliniń imla sózligi» (2020)

☝️ Bul ele tilshiler tuwralı maqalalardıń baslaması bolıp, basqa tilshi-ilimpazlar haqqında maǵlıwmatlar aldaǵı waqıtlarda qosıladı.

📌 Posttı joytıp almaw ushın saqlap qoyıń hám doslarıńız benen bólisiń.

Kanallarımızǵa mirát etemiz👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚 @ana_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili

ANA TILIM - QALQANÍM

07 Sep, 05:35


#súwret

Bala baslawısh mektepte barlıq pándi tek ana tilinde ǵana oqıwı kerek.

Axmet Baytursın ulı
Qazaq alımı, jámiyetlik isker, tyurkolog

══════❁✿❁═════
Kanallarımızǵa aǵza bolıń!👇


📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

16 Aug, 04:48


Тез арада қарақалпақша 3D форматта мултфилмлер жаратылады

"Қарақалпақфилм" киностудиясы тәрепинен қарақалпақша 3D форматта мултфилмлер жаратыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24

ANA TILIM - QALQANÍM

28 May, 13:59


#sóz_mánisi
#dialektizm


📖 "Qaraqalpaq tiliniń dialektologiyalıq sózligi"nen


📌 QOQTASÍN (arqa dialektte)
. Payda, járdem, sharapat.

Sondaylardıń qoqtasınları arqasınan atlı láshkerin bes júzge shamalastırdı (T.Qayıpbergenov)




📌 QOQTASÍNLÍ. Hal-jaǵdayı, turmısı jaqsı adamlar degen mánide.


Burınnan qoqtasınlı (bardamlı) adamlar (Shımbay).





══════❁✿❁══════

Kanallarımızǵa mirát etemiz👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

28 May, 13:34


#sóz_mánisi
#milliy_miyras


📖 «Qaraqalpaq tiliniń túsindirme sózligi»nen


☝️ DÁSKER
,

🔸 I. Issı qumandı, oshaqqa asılģan ıssı qazannıń qulaģın uslap jerge túsiriw yamasa ornalastırıw ushın kiyizden islengen, ortası jip penen tutastırılģan shúberek yaki ayrıqsha tigilgen zatqa aytıladı.


Dialektlik sinonimleri:
tutqısh (Qanlıkól); qazan uslaǵısh.

⚡️ Derek: Qaraqalpaq tiliniń dialektologiyalıq sózligi, 101-bet.




🔹 II. at. fol. Járdemshi.
Qalmadı meniń zúriyatım,
Bizge dásker alla bolsın ("Bázirgen").





══════❁✿❁══════

Kanallarımızǵa mirát etemiz👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

28 May, 13:23


#sóz_mánisi

📖 «Qaraqalpaq tiliniń túsindirme sózligi»nen


📌 DÁST.

🔸 1. Qolı, qolınan, qol astınan.
Aman-esen ele alǵa baratır,
Dostı qutqarmaqshı zalım dástinen (Á.Shamuratov).

Periniń dástinen aman aman qalǵaysań,
Baslarına aqırzaman salpaysań ("Er Ziywar")

🔸 2. Qol, qolı.
Sen otırsań qara taldıń astında,
Maqpal tıslı eki kópshik dástinde (I.Yusupov).

🔹 3. Shıray.
Ata júrmes balasınıń qastına,
Qızlar ashıq bul jigittiń dástine ("Jáhánsha").

🔹 4. awıs. Dártinen, sebepli.


⚡️ Dástinen qaytıw - ádepki pátinen qaytıw.




══════❁✿❁══════

Kanallarımızǵa mirát etemiz👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

18 May, 13:59


#Архив_дереклеринен

📜Атақлы илимпаз, филология илимлериниң докторы, профессор Н.Баскаковтың еске түсириўлеринен.

📜Мен РКП (б) Қарақалпақстан Обкомына барғанымда жайдың алдында еки пулемет орнатылып қойылғанын ҳәм кирер аўызда винтовка асынған еки әскердиң гүзетте турғанын көрдим. Обком секретары Аллаяр Досназаров әскерий формада кийинип, белбеўине тапанша илдирип қойған екен. Мен оның кабинетине сескениңкиреп кирдим ҳәм арзымды қысқаша айттым. Ол мени жыллы жүзлилик пенен қабыл етти ҳәм асханада аўқатланыў ушын бизлерге талон берди. Және ҳаялым екеўимизди жатақ жай менен тәмийинледи.

📜...Солай етип, Аллаяр Досназаровтың көрсеткен жәрдеминиң нәтийжесинде қарақалпақ халқының тили, этнографиясы бойынша материаллар жыйнаўға ҳәм тарийхый-үлке таныў музейин шөлкемлестириў жумысларына қызғын түрде қатнастық.

Н.Баскаков, 1987-жыл.

Бизди бақлап барыўда даўам етиң: https://t.me/QRARXIV

ANA TILIM - QALQANÍM

09 Apr, 06:18


#maǵlıwmat

🔔 Este saqlań


Qaraqalpaqstan Respublikasına baylanıslı tariyxıy sáneler

📌1989-jıl 1-dekabr -- Qaraqalpaq tiline Mámleketlik til biyligi berilgen kún.

📌1990-jıl 14-dekabr -- Qaraqalpaqstan Respublikası Mámleketlik Suvereniteti haqqında Deklaraciya qabıl etilgen kún.

📌1992-jıl 14-dekabr -- Qaraqalpaqstan Respublikası Bayraģı qabıl etilgen kún.

📌1993-jıl 9-aprel -- Qaraqalpaqstan Respublikası Gerbi qabıl etilgen kún.

📌1993-jıl 9-aprel -- Qaraqalpaqstan Respublikası Konstituciyası qabıl etilgen kún.

📌1994-jıl 14-dekabr -- Qaraqalpaqstan Respublikası Gimni qabıl etilgen kún.


Kanallarımızǵa mirát etemiz👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

24 Mar, 06:39


#til_haqqında

🔔 ShÍMBAY ma ya SHÍMBAY ma?

Qaraqalpaq tili latın grafikasına 1994-jılı ótken (1996-jılı latın grafikasında kitaplar basıla basladı).

Qaraqalpaqstan Respublikasında "Sh" háribinen baslanatuģın rayonlar, qala hám elatlar tómendegishe jazılıp keldi:
SHOMANAY (ShOMANAY emes); SHÍMBAY (ShÍMBAY emes); SHORTANBAY (ShORTANBAY emes); SHAXAMAN (ShAXAMAN emes) hám t.b.

Shet el mámleketleriniń, qalalarıń atları bolsa "SHRI-LANKA" hám t.b.

Al, "Ch" diftongınan bolsa
MADE IN CHINA, CHEXIYA" hám t.b.

Latın grafikasın bizler oylap tappadıq. Tek qosımsha háriplerdi ģana qostıq. Xalıqaralıq normalarģa da qaraw kerek dep oylayman. Kirill grafikası tuwralı aytpayaq qoyıń. Gáp latın grafikasında...

Pikirińizdi kommentariyge jazıp qaldırıń.

Kanallarımızǵa mirát etemiz👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

24 Mar, 03:58


#til_haqqında

🔔 ShÍMBAY ma yaki SHÍMBAY


Jazbada "Sh"
Baspada "SH" (hámme háripler bas hárip penen jazılģanda).

Siz ápiwayı telefon yaki kompyuterde jazģanıńızda barlıq háriplerdi úlken háripke qoysańız "SH" boladı. Birinshi sıńarın úlkeytip (S), ekinshisin kishireytip (h), úshinshi háripti jáne úlkeytip (Í) "ShÍ" otırmaysız. Ol kóp waqıttı talap etedi jáne háriplerdiń kórinisi de buzıladı.


Súwrette "XOSh penen ShÍMBAY"dıń turısın qarań 😡

Áp-ánedey turģan zattı shuqlap ne qılasız?!
Qullası, SHÍMBAYdı ornına qoyıń!



Kanallarımızǵa mirát etemiz👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim

ANA TILIM - QALQANÍM

22 Mar, 07:18


#Nawrız_2024
#milliy_miyras
#shayır_qáleminen



🔔 SHIŃQOBÍZ

Anam seni sandıǵında saqlaǵan,
Saqlamasa kewli qarar tappaǵan,
Esitkende seniń sulıw sestińdi,
Esken samal el shetinde toqtaǵan,
Seniń sulıw sestiń ushın, shıńqobız.

Qız-jawanlar qozǵap júrek dártlerin,
Ashıq aytqan ashıqlıqtıń shártlerin,
Alısqa at, jaqınga xat jollatıp,
Jawlap alǵan jigitlerdiń mártlerin,
Seniń sulıw sestiń ushın, shıńqobız.

Tilla ziban shuǵla shashqan nurlarday,
Onda tereń bir ájayıp sır barday,
Dúnya mángi qulpı dónip dolanıp,
Gózzallıǵın saǵan berip turǵanday,
Seniń sulıw sestiń ushın, shıńqobız.

Anam seni sandıǵında saqlaǵan,
Saqlamasa kewli qarar tappagan,
«Sahra búlbúli» dep biykardan-biykar,
Atalmaǵan aqırı qaraqalpaqlar hám,
Seniń sulıw sestiń ushın, shıńqobız.

✍️ T.Qabulov



══════❁✿❁══════

Kanallarımızǵa mirát etemiz👇

📚
@qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚
@qara_qalpaq_tili
📚
@ana_tilim_qalqanim