Сөз маржаны @soz_marjani Channel on Telegram

Сөз маржаны

@soz_marjani


Бул дүньяның көрки - адам баласы.
(Әжинияз)

Дүнья талантлары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы.

Сөз маржаны (Kazakh)

Сөз маржаны - бұл әлемнің көркі - адам баласы. Дүние таланттары аұқамы ағзасы Қуанышбаева Гүлайымның жеке каналы. Бұл каналда әдебиеттен музыкаге, танымал тарихтен кездесетін ертегілерге дейін шығарылатын пайдалы материалдар бар. Сіз осы канал арқылы өзіңізге қызығушы, оқиғалы немесе білімгерлік материалдар таба аласыз. Сөз маржаны каналы өте оңай, тиімді пайдалануға арналған. Сіздерді сілтемеге шақырамыз!

Сөз маржаны

14 Jan, 04:12


— Ало жаным, байрамға саўғаға не алайын?
— "Malibu" ал!
— Ағынан ба қарасынан ба?😂🤦‍♂


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

14 Jan, 04:08


Пақа пақ
Пул кетади шақа шақ


14 январга аёллар дарди 😂

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

14 Jan, 04:07


Ўатан тынышлығы қолларыңызда
***
Халқы хызметинде таққа турғанлар,
Мәрди- майданында жәўлан урғанлар,
Антларына садық батыр уғланлар,
Ўатан тынышлығы қолларыңызда.

Кирпик қақпай түнди- күнге улаған,
Бабалардың мәртлик жолын таңлаған,
Ўатан гүзетинде турыңлар аман,
Гүллер питсин басқан жолларыңызға.

Қыяға шарықлап ушқан суңқарлар,
Бәйгиге жегилген дүлдил тулпарлар,
Мәртлигиңнен үлги алсын урпақлар,
Батырлық белбеўи бойларыңызда.

Бириң жерде, бириң хаўада ушып,
Пәрўазда жүргенде боз думан қушып,
Аналар отырар тақымын қысып,
Саўлық тилеп әскер балларымызға.

Гүзетесиз халқым тыныш жатсын деп,
Уўайымсыз хәр күн таңлар атсын деп,
Адам-адамға тек күлип бағсын деп,
Тынышлықты сақлаў ойларыңызда.

Аналардың аппақ сүтин ақлаған,
Әке ўәсиятын ядта сақлаған,
Шегараны көзин үзбей бақлаған,
Саўабы жазылсын жанларыңызға.

Ақшолпан Аманияз


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

14 Jan, 02:25


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

14 Jan, 02:03


Байрамыңыз қутлы болсын!!!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

14 Jan, 01:57


Ден саўлықта ,саў аман .
Турдыңызба,қәдирдан.
Уллы бахыт билсеңиз.
Денеңде болса қуўат.

Ассалаўма әлейкум.Әзизлерим.!!
Бүгинги таңды және сизлер менен күтип алғанымнан қуўанышлыман.
Шаңарағыңызға аманлық ,ырысқы -несийбе тилеймен.

Бүгинги Ўатан қорғаўшылар күни байрамы менен қутлықлаймыз.
Елимиз тыныш,азаматлар саў аман болсын.

Күн даўамында биз бенен болың.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 17:01


#Қайырлы_ақшам

Қуяш та жол алды жатақ жай таман,
Жулдыз сәўлесине толғанда аспан,
Заманымыз түнге бергенде сәлем,
Биз сизге тилеймиз, қайырлы ақшам!

Бүгинги күниңизди биз бенен бирге өткергениңиз ушын миннетдармыз. Алдыңызға мақсет етип қойған режелериңиз орынлансын. Шаңарағыңызға шадлық, табысыңызға берекет, өзиңизге беккем денсаýлық тилеп қаламыз.
Жайлы жатып, жақсы турыңлар, қәдирданларым!

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 15:32


#пикир

ЖАСЛАРДЫ ЯДЛАЎҒА ЕМЕС ПИКИРЛЕЎГЕ ҮЙРЕТИЎ КЕРЕК!

Бизиң ертеңги избасарларымыз, ел басқарып кәрўанның алдына шығып жол көрсетер урпақларымыз ҳәзирги жаслар. Олардың сергек, ақыллы, тынық ойлы болыўы бизиң утысымыз. Оның ушын биз не ислеп атырмыз. Нәл егетуғын болсақ оны суўғарып, түбин аўдарып, ўақтында төгин берип жабайы шөплерин қырқып турмасақ онда ол мийўе бермейди. Тек ғана тандырға отын болыўдан басқа ҳеш нәрсеге жарамайды. Бул гәптиң төркинин түсинген шығарсыз деп ойлайман.
Енди биз балларымызды репетиторға берип тек ядлаўға ғана үйретип атырмыз. Тестиң бәрин ядлап шықсаң, оқыўға кирсең болды деп баланың санасына сиңдирип қойдық.
Оқыўшы сол қәнигеликтиң илимин терең үйренбей тек нәтийжесин ядлаў менен шекленеди. Ол балада пикирлеў деген нәрсе болмайды. Оның ақшасын алып таярлап атырған ядлатыўшы устаз оқыўшының билим дәрежеси менен иси жоқ, тек тезирек тест жуўапларын ядлап берсе болды. Жоқары оқыўды тамалаған оқыўшы еркин пикирлей алмайды. Теледийдардан ямаса жыйналысларда сөйлеў керек болса, алдынлаў айтың мен ядлап алайын дейди. Себеби оның дәслепки билим тәрбиясы солай берилген еди.
Адамның адам болыўы оның пикирлеўинде дейди даналар.  Бизге тек ядлағанды ғана айтып беретуғын робот кадрлардың кереги жоқ. Керисинше сол тараўы бойынша қосымша пикир билдирип, өз ойы, билими нәтийжесинде бир нәрсе жарататуғын келешек әўладты тәрбиялаўымыз керек.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 13:52


#Психология

РУЎХЫЙ ТҮСКИНЛИКТИҢ
5  ЕМИ.


1. Руўхый азапларды ишиңизге жута бермең. Өйткени бул - өзиңизге қарата оқ атыўдай гәп.

2. Қәтелериңизди тәбийий жағдай деп қабыл етиң. Бул нәрсе сизге қәте ислерден туўры жуўмақ шығарыўға жәрдем береди.

3. Күшиңизди туўры бөлистириң, зәрүрли жумыслар биринши дәрежели, қалғанлары кейинги орынларда турсын, ерискен жетискенликлериңизден қуўаныўды үйрениң.

4. Жалғызлыққа берилмең. Әсиресе, стресс ўақтында адамлар менен бирге болың, досларға қоңыраў етиң, жаңа таныслар  арттырың, шынығыўларыңызды көбейтиң.

5. Болып өткен кеўилсиз ўақыяны ойлап, өзиңизге сондай сораў бериң:
“Сол нәрсе ашыўланыўға, кеўилди түсириўге арзый ма?
Буннан бетер болғанда, қыйыншылықты жеңип өте алар ма едим?”

Бул сораўларға жуўап табыў жағдайға қалыс, сезимлерсиз, қәтиржам баҳа  бериўге ийтермелейди.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 13:00


Банан жеп турыў керек

Банан депрессияға қарсы гүресте жәрдем береди. Себеби ондағы триптофан бахт гормоны синтезинде қатнасады.

Сүйеклерди беккемлейди.
Тыйкарынан бул кофени жақсы көретуғынлар ушын зәрүр. Себеби кофе организмнен  калцийди шығарып жибереди, банан есе керисинше.

Банан иш қатыўы менен аўырғанлар ушын жүдә пайдалы. Турақлы банан жеп турыў бул машқаладан қутылыўға жәрдем береди.

Асқазан жарасы.
Банан асқазан жарасын емлеўде жәрдем береди.

Сиз банан жеп турасыз ба?


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 13:00


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 11:50


ӨЗ ЕЛИМНЕН АЙЫРМАҒАЙ...

(Ақ доллар, көк доллар ўақиясы.)

Қазахстанның Чимкент қаласында туратуғын қәйним аўырып қалды.
Оған аўылдағы туўысқанлар да келмекши болып, қызыл паспорт алыўға карар етти. Сөйтип олардың паспортының таяр болыўын куттик.
Ҳәмме бирге барайық - деген еди аўылдағылар.
Ол да қырсығып таяр бола қоймай бираз кун күттирди.
Бул өткен жылғы болып атырған ўақыя...
Жыл ақырынлап қалып, ҳәмме жаңа жылды кутип алыў менен әўере болып атырғанға ма, әйтеўир бираз күтипти ағайинлер..
Енди таяр болды дегенде, әжепамыз аяқ астынан аўырып больницаға түсип қалды.
Сахары бар еди. Инисин көп ўайымлаған ғой.
Соның менен гөне жылда бир биримизди күтип жүрип, бара алмадық.
Жумыстағылардың алған отпускасы да питип қалды.
Жаңа жылды кутип алған соң, барыўға бел байладық.
Сәтин салған күн екен, күйеўим менен таң ертеден жолға шықтық.
Жолымыз ашық болып, таможныйдан өтип, баратуғын жеримизге аман саў жетип алдық.
Барсақ дастурхан жайыўлы, Бизлерди күтип отыр екен.(Баратуғынымыздан хабары бар еди).
Ҳәмме ўақ-шақ болып, қуўанысып, ҳәз етип
отырмыз.
Соның менен түс аўды.
Қәйнимниң қудалары қызымыз бенен күйеў баламызды жиберипти, үйге қонаққа бизлерди алып келиң, - деп.
Сол себеп болып Чимкенттиң базарына бардық, қудаларға саўға алыў ушын.
Үйден шығарда доллар алып шығып едим, сомды жетерлише алдық та қойдық.
Сөйтип долларды аўыстырмақшы болып, олардың ,,айырбастаў"ына кирип, долларды берсек алмайды.
Исенесиз бе, "Бул ақ доллар, буны алмаймыз," дейди!
- Ҳаў, айналайын бул неси? Неге енди алмайсыз? Буны да банктен алдық ғой, - десем:
- Сол банкке апарып тапсырың, биз тек көк доллар аламыз, - деп қарап тур...
Қудай сақласын, доллардың да қадирсиз күни де болар екен-аў, - деп, ағасы екеўмиз бир биримизге қарадық..
Банкке барыўға кеш болыпты. Бүгин тек сағат екиге шекем ислейди екен, өйткени шемби куни солай деди..
Жығылған гуреске тоймас - деп машинаға минип алып ,Чимкенттиң бир көшесинде жайласқан ,,Айырбастаў" ына кирип басладық.
-Апай, бул ақ доллар ,алмаймыз ,
Көк доллар аламыз...
Ақыры биреўине кирип жағдайымызды айттық.
- Жоқ алмаймыз, тек банк алады...
- Қарағым-аў ,бизге ақша зәрур болып тур, бере ғойса, банк жабық ,ертең дем алыс.
Илажы бар шығар?
- Қойыңшы басымды қатырмай, сениң ақ долларыңды деп жумыстан кетейин бе?
Мениңде баслығым бар ғой... Бизге қатаң етип айтты.. Ақ долларды алмаң, - деп.. Тусиндиңлерме? Енди жайымызды босатың - деп бежирейип ашыў менен қарап турды.
Илажсыз шығып кеттик.
Қолымызда бар ақша менен бәрин епледик..
Басқа илаж барма..
Қәйнимизге жардемимиз деп берген ақшаны қалай сорайсаң..
Ақыр заман жақынласа, ақшаның қәдири кетеди - деп еситкеним бар еди..
Ишимнен: "Аллам ай ,адамлар қалай, қалай болып баратыр?"деймен..
Қалтаңда ақшаң бар ,бирақ ҳеш нәрсе қыла алмайсаң..
Бул қалай болды?
Сөйтип шақырған қудалардың уйине де бардық, барымыз бенен..
Ақ кеўил адамлар екен, жақсы күтип алды..
Бирақ ..
Бирақ негедур тез өз елимизге, үйге қайтқымыз келди..
Өйткени ақ доллар менен көк доллардың саўдасы басымызды қатты аўыртып жиберди.
Бул жерде меҳир-ақыбет көтерилип кеткендей, ақшаны менсинбейтуғын дарежеде адамға адамыйлық ҳүмет жоқлығына жаным куйди..
Сөйтип, қәйнимниң ден саўлығы жақсы екенин билген соң, түни менен қайтып кеттик..
Таможныйдың машина қоятуғын жерине машинамызды қойып кеткенимиз жақсы болды..
Өз үйим - өлең төсегим - деп уйге келип, уйқыладық..
Азанда баяғы долларды алып өзимиздиң базарға бардық..
Олар ҳеш нәрсе демеди.
- Тек қапа болмаң сәл арзанлаў аламан..
Ақ долларды банкке беремиз, алады, - деди.

Айналайын, өз елим ай! Меҳир-ақыбети жоғалмаған халқым-ай!
Өз елимнен айырмағайсаң Қудайым ай! - дедим ишимнен қатты куўанып...

Перихан Аймуратова.
Ташкент қаласы
13 .01 .2025 ж

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 09:47


#Ҳақыйқат

    Жигерсиз инсанлар имканият болыўын күтеди.
    Күшли инсанлар имканиятты өзи жаратады.


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 08:22


#Тәрбия

БАХЫЛЛЫҚ- ҚЫЗҒАНШАҚЛЫҚ, КӨРЕ АЛМАЎШЫЛЫҚ ҚӘСИЙЕТИ ХӘМ ОНЫҢ УНАМСЫЗ АҚЫБЕТЛЕРИ

Бахыллық - дегенде сықмар адамлар көз алдымызға  келеди. Ал сықмарлық қызғаншақлықтан келип шығады, меңиңше...
  Сықмарлық - бул  әлбетте қан хәм жан арқалы адамға келетуғын физиологиялық қубылыс емес. Себеби нәресте туўылғанда болажақ қәсийетлер ата-ананың, шаңарақтың, басқа да ересек адамлардың тәрбиясына байланыслы болады. Ата-аналар қай жерде қәтеликке жол қояды?
Ҳәр бир ата-ана баласының кемиссиз өсиўин, шаңарақта, өмирде бахытлы болыўын тилейди. Сол тәбиий арзыў-әрман менен гейпара шаңарақлар, ата-аналар балаларын кишкентайынан қуўыршақтай қылып қояды, қолларын суўық суўға батырмайды, әлпешлейди, еркетай қылып өсиреди, қолындағы нәрсесине беккем болыўын уғындырады, тентекти келтирип шығарады. Нәтийжеде бундай балалар иши тар, сықмар, қызғаншақ болып шығады.
Буларда барына қанаат етиў, жоққа шыдаў, қайыл болыў деген қәсийетлер жетиспейди. Керисинше, кеўли күсеген нәрселерди ислеп, ҳәр қандай жол менен (гейде ҳарамлыққада қол урады) мақсетине жетиўди ойлайтуғын нағыз қызғаншақ кәмалға келеди...
Ал қызғаныш - даўасыз дәрт. Қызғаныўшы  ҳәмме ўақыт биреўдиң шадлығынан, рәҳәтинен қапа болады, иши күйеди. Қызғаныш соныңдай бир қәсийет - соның кесиринен адам өзине де жақсылықты раўа көрмей қалады.
Егер баланы туура жолға салмаса, ол бала турмыстың қыйыншылықларынан қорқатуғын, қыйын иске баспайтуғын, мийнетти сүймейтуғын, жеңил аңсат жол менен тиришилик ететуғын, ең жаманы - хәммеге негатив көз-қарас пенен қарайтуғын, жәмийет алдындағы миннетин умытқан мәңгүр болып өседи.
Нәтийжеде майда алаяқ, жалатай, иши тар инсанлар болып, өмирден абырай таба алмағаны ушын, дөгеректеги адамлардың хүрметине ылайық бола алмағаны ушын, басқалардың өмириндеги, мийнетиндеги табысларына, ел арасындағы тапқан  хүрметлерине  ызаланып күйеди, иши жанады, өмиринше наразы болып өседи.
Соның ушында биз устазлар бундай унамсыз қәсийетлердиң иллет болып кетиуине ата-аналар менен биргеликте тәрбияда жол қоймауымыз керек.
Демек, кимде-ким кеулим тыныш, өмирим машақатсыз, деним сау болсын десе, бақыллықтан, яғный иши тарлықтан, көреалмаушылықтан, қызғаншақлықтан уаз кешиўи керек. Себеби,ол адамды аздырады, досларын қашырады, абыройын төгеди хәм әлбетте денсаўлығына тәсир етеди.

Зульфия Жуманова

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 07:33


#Пикирлең

Егер иши бос болса - дастурханда турған  сулыў тарелкадан не пайда?
    Адамлар менен де сондай...

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 06:39


Кишкене қоллары менен портфелин  қушақлап алып, әтирапқа таңланып ҳәм қызығып қарап киятыр.  Лекин, бахыт дегенди  Қудайым маған аманат етип берген екен...
     Абысыным арзымаған  сылтаў менен жәнжел шығарып, Қуўанышбегимди... меннен қайтарып алып қойды...

      Енди ол үйде мени услап туратуғын ҳеш нәрсе қалмаған еди.
Он жыллық мийнетим, көрген қыйыншылықларым  ҳәм  азапларымды сол шаңараққа таслап, әке үйиме  қайттым.

Жумыс орнымды өзгерттим. Бәрибир ярым түнде уйқысыз көзлеримниң  дартин көпшиктен басқа ҳеш ким де билмес еди. Иләжым жоқ, шыдаўым  керек, тәғдиримде сол жазылған екен. Апам  бийшара: " Аспаннан келгенин жер, Алладан келгенин бендеси көтереди" деўши еди. Ажырасқанымыздан еки жыл өтип, бурынғы күйеўим үйленди. Бир аўылдан болғанымыз себеп, оның үйине басқа ҳаялдың кирип-шығып жүргенине көзим түссе, ишим жанып кетер еди! Мени сорап келип атыр, бирақ мен басқа турмыс қурыўды қәлемедим. Бирақ бурынғы күйеўимниң ҳаялы ҳәмледарлығын еситтим де, мен де тезирек турмысқа шығып, узағыраққа кетким келди.  Еки-үш аўыл арыда жасайтуғын, ҳаялы дүньядан өткен, үш баласы менен қалған ер адамға сорап келгенлерге разылық бердим.
Жигит оқымыслы, оқытыўшы еди. Көристик. Бир-биримизге мақул болдық. Некелестик. Оның балалары менен тил табысыў аңсат болмады. Соған қарамастан, бурынғы ​​турмысымдағылардың, әсиресе, абысынымның алдында жүзим жарық болыўы ушын барлығына шыдадым. Сынақларды сабыр менен жеңдим.
Аллаға шүкиршилигим көп. Көрген сонша қыйыншылықларым ҳақысына Жаратқан Ийем мени аналық бахты менен сыйлады. Ҳәзир үш ярым жасар қызым бар. Ол әжапа - әжағаларының еркетайы. Жасым қырыққа жеткенде, перзентли болдым.

Мен бул үйге келгенимде, күйеўимниң туңғышы 12 жаста, қызымыз 9 да, генже баламыз 6 жаста еди. Ҳәзир ул үйлентирип, қыз узатыў алдында турман. Мен балаларымның өгей емес, өз анасыман. Өйткени, айтады ғой, "туўған емес, баққан ана" деп. Баласын маған берип, мәпелеп өсиргенимнен кейин қолымнан жулып алып, кеўлимди шил-пәрше етип сындырған абысыным үш жыл алдын қызын узатқан еди. Еки жылдан бери перзент күтип жүрген қызының толғағы аўыр кешип, бөпе операция жолы менен туўылды. Сонша қыйналғаны жетпегендей, үш күн өтип, бөпеси шетинеп қалыпты. Енди қайта перзент көре алмас екен. Еситкенимде қатты қыйналдым. Бирақ мен ҳеш қашан абысынымды қарғамаған едим. Сонда баласы, тоғыз ай қарнында көтерип жүрип, толғақ азабын тартып, дүньяға алып келген перзентиниң не жазығы бар деп, өзимге тынышландырған едим. Әсиресе, анасынан жас қалған балаларға аналық еткенимде, сабырымның сыйлығы ретинде қызым туўылғанда, оннан шексиз миннетдар болған едим. Бирақ абысынымның ислеген ҳәрекетлери қудайға мақул келмеген көринеди. Не болғанда да, Жаратқан Ийем ҳеш кимниң пысын қуртпасын!...

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 06:39


БИР ҲАЯЛ ТӘҒДИРИ

Гейде адамлардан "өгей шеше ондай, өгей шеше бундай" деген гәплерди еситкенимде, жүрегим езилип кетеди. Себеби өгей шеше деген, сөз қулаққа суўық естиледи.
Тәғдиримде биреўдиң перзентлерине аналық қылыў жазылған екен. Бирақ олар мен ушын басқа, ямаса, әллеким емес...

Ата-анам таңлаған жигитке турмысқа шықтым. Халық қатары жасай басладык. Тойымыздан үш ай өтип, менде ҳәмледарлық белгилери сезиле баслады. Бирақ көп өтпей қуўанышымыз ярымына келгенде үзилип қалды. Ҳәмиле ишимде набыт болған екен. Шыпакерлер операция жолы менен оны алып таслады. Көп қыйналдым. Уйге қайтқанымда үйдегилердиң маған деген мунәсибети өзгергенлигин байқадым. Қәйин енем, қәйын апаларым минез көрсете баслады. Баласы түскен тек мен ғана емес ғой! Қудай қәлесе, еле етек-етек перзентлер көремен. Ҳәмилем набыт болып, сонша азапланыўды өзим қәлегеним жоқ ғой!" деп жүрдим.
Арадан азмаз пурсат өтип, күйеўим айтқан ашшы ҳақыйқат мени ойландырып қойды:
- Зыяда, сен күшли ҳаялсаң. Өзиңди қолға ал. Енди... биз... басқа...перзент көре алмас екенбиз. Сол себепли ҳәмилең иште набыт болған екен. Не болғанда да мен сеннен өзгесин демеймен. Сен көз ашып көргенимсең. Бәрҳәма маған сүйениўиңди, мениң ушын қәдирли екениңди сезип жасаўыңды қәлеймен.
Ол қаншелли мийир-муҳаббат ҳәм шын жүректен айтса да, маған аўыр тийер еди. Тап бир жүрегим урыўдан тоқтап қалғандай, дүнья зимистанға айналған еди. Күни - түни дуз татпай жылар едим. Қолым жумысқа бармас, көзлериме уйқы келмес еди.
Дәртим бойынша көринбеген шыпакерим ҳәм тәўиплер қалмады. Нәтийже жоқ еди. Қайин енем күйеўим екеўмизди ажыратып жибериўге урынар еди. Бирақ күйеўим Хамид оның сөзлерин тыңлағысы келмеди. Инисиниң беккем турып алғанын көрген қайын ағам бүгин-ертең босанайын деп отырған абысынымның баласын бизге бермекши болды. Абысыным менен қайин енем көп қарсылықлар қылса да, бирақ қайин ағам айтқанында турып алды.
Бөпени туўыў уйинен туўры үйимизге алып келдик. Сондағы қуўанышымызды сөз бенен сүўретлеўге тил жетпейди!.. Перзентимди бар меҳрим, муҳаббатым менен әлпешлей басладым. Үйимизге кеўиллилик, жақты нур алып келгени ушын оған Қуўанышбек деп ат қойдық. Томпыйып өсип киятырған Қуўанышбегиме қараған сайын өзимди бахытлы сезине басладым. Дүньяда меннен бахытлы ҳаял жоқ еди шамамда!
Бирақ қайин енемниң маған мүнәсибети жақсы емес еди. Абысынымды болса, айтпаса да болады. Күйеўим: "Оларға итибар берме. Лекин мудамы ҳүрмет-иззетин орнына қой. Әсиресе, әжағамның кеўлине тийме. Оның шарапаты, меҳрибаншылығы менен перзентли болдық, баўырымыз толды", деп тез-тез айтып турар еди. Тийкарынан мен күйеўимниң барлық туўысқанларын, әсиресе, ата-анасы ҳәм әкесин қатты ҳүрмет қылатуғын едим. Жыллар самалдай зуўлап, Қуўанышбегимиз мектеп жасына жетти. Оны 1- класқа алып барған күним ҳеш есимдан шықпайды.

Сөз маржаны

13 Jan, 05:41


АМАН БОЛАЙЫҚ...

Муҳаммад Юсуф
🎤 Зухра Ашурова

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 04:02


#Сөз_маржаны

АНАМНЫҢ ҚАҒЫЙДАЛАРЫ

Ҳәр ким де өз анасын данышпан көрсе керек. Мен ушын өз анам - идеал. Оның ҳәр бир сөзи бизлер ушын хат пенен қәлем. Бала тәрбиясында меҳир менен қатты қоллықты теңдей алып барып, бәрҳә өзиниң өмирлик тәжирийбесиндеги тәртип- қағыйдаларына бизлерди де үйретип барады. Олар төмендегише:

~ Кишипейил ҳәм әдепли бол;

~ Азанда орныңнан турған гезде дәрриў төсек орныңды жыйнастырып тасла;

~ Бет қолыңды жуўып болып, айна алдына барып шашыңды дурысла;

~ Дастурхан басында шашың уйпа-жуйпа болып отырма;

~ Қызы бар үй адам қызыққандай тап-туйнақтай болып турыўы керек;

~ Аўқат асатын қазаның менен шайнегиңниң сырты жалтырап турсын!

~ Газдың үстин таза усла;

~ Сүлги - майлықларыңды
2 - 3 күннен асырмай жуўып тасла. Ийиси сасып турмасын!

~ Жуўыўға алған сүлгиниң орнына басқасын қой. Қол жуўып болып, қолдың суўын сорғалатып отырмасын;

~ Шығынды пакетти азанға шекем үйде сасытып қойма. Шығарып тасла ямаса азанда шығарып таслаўға аўзын жақсылап байлап қой;

~ Шай ишип болған жерде нанның усақлары түсип, қумырсқа үймелеп жатпасын. Тазалап қой;

~ Аўқаттан босаған ыдысларды тазалап жуўып, орнына қойыўды умытпа;

~ Үстиңдеги кийимлериң кирлеп, тигиси сөгитилип жүрмесин. Жуўып, тигип ал;

~ Моншадан шығарда кийимлериңди жуўып алыўды әдетке айландыр;

~ Өзиңди орынсыз табалатпа;

~ Жас балалардың жанында баладай, жасы үлкенлердиң қасында данадай бол;

~ Саған орынсыз үстемлик еткиси келген адамды нәзерден тыс қалдыр. Қәтелигин өзи түсинип жетсин;

~ Ҳеш кимниң кеўлине азар беретуғын аўыр сөз айтыўшы болма;

~ Биреўдиң дастурханына қол жуўырта берме;

~ Бир адамның айыбын көрип калсаң, оны көпшиликтиң алдында әшкәра қылма. Өзине жеке айт. Биреўди масқара қылған адамды қудай масқара қылады.

~ Өмирде гезлескен ҳеш бир ҳәдийсе бийкарға болмайды. Ол бирде келешегиң ушын пайдасы тийетуғын нәрсе болады. Ямаса қәтелигиңниң өтеўи болады...

Қуўанышбаева Гүлайым

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

13 Jan, 03:16


ЖАҚСЫЛЫҚҚА ТӘЖИМ

Тәңирим әзелден қоллап адамды,
Жаратқан саналы ел етиў ушын.
Ел ишинде жүрген жақсы, жаманды,
Жақсылыққа қумар ер етиў ушын.

Неге жақсы жаман деймиз адамды?!
Жаман әдет болар, жаман адам жоқ.
Әттең,дусластырсаң базы наданды,
Бир аўыз сөз бенен атар саған оқ;

...Гей адамды көрип қалған ўағыңда,
Кеўилиңе уялайды жыллылық.
Гей биреўге дуслассаң қас қағымда,
Жан дүньяңа кирип келер ызғырық.

Жыллылықты уялатқан сол адам,
Жақсы сөзи менен кеўлиңди алар.
Ал, гей бир жан ызғырығын жоллаған,
Өтпес пышақ пенен жанды қыйқалар.

Жақсы менен жолдас болсаң егер де,
Жақсылығы менен қуўантар сени.
Надан менен жолдас болсаң бир демде,
Жанға ҳазар берип муңайтар сени.

Өмирде болмаса бундай наданлар,
Аңламаспыз бәлким жақсы қәдирин.
Бес бармақ тең емес, түрли адам бар,
Ўақыт-сыншы аңлатады ақырын.

Сонлықтан да, мына пәний дүньяда,
Дәртиңниң дәрманы болар жақсылар.
Базы нәмәртлердиң басқан излерин,
Жақсылардың жақсы иси жасырар.

Жаманның бир исин көрген ўағыңда,
Билинер қәдири жақсы адамның.
Бүлбил сайрап турсадағы бағыңда,
Кеўли серлей алмас оны наданның.

Нама танымаған ондай кимседен,
Жоқ нәрсени дәме етип қәйтейин.
«Ийт үреди, кәрўан көшер» деген бар,
Үрген ийттиң садағасы кетейин!

Көрген жерде жанға берер жыллылық,
Жақсылардың кеўилиниң нағысы бар.
Пейили жаманнан шықпас уллылық,
Бахтымызға аман болсын жақсылар!

Елим ел болып тур жақсылар менен,
Терис пейилли кимсе ислемес нелер?!
Ал, мен жақсылыққа тәжим етемен,
Себеп жақсылықтан дүнья гүлленер!


Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 08:52


Өмирди бахалаң самалдай желген!

Адам жоқ қайталап келген дуньяға,
Урынба, мал- дәўлет көплеп жыймаға,
Соңында қол созып, көзлер қыймаған,
Өмирди бахалаң самалдай желген!

Жаса күнлериңди, қайғысыз- ғамсыз,
Күшлисиз бәриңиз, ғайбарлы жансыз,
Бир күни липилдеп өшердей шамсыз,
Өлим ҳақ, шара жоқ әжелге келген!

Өткенлердиң санын жулдызда сана,
Алжасар, болса да қаншама дана,
Барлығы әрманда жымыңлар жана,
Шүкир ет, Тәңирдиң демине берген!

Нийет ет жақсыны, жетпекти ойла,
Жетим- жесир менен тойыңды тойла,
Жүректен ийманның мысқалын жойма,
Соңында асқатар саўабың терген!

Қылған жақсылығың қалсын изиңде,
Ҳеш ким билмес, ким келеси дизимде,
Саяласын Сен өсирген гүжимде,
Өмир бир үпелек самалға ерген!

Гулзар Қурбанбаева
Сахра гүли ⚘  17.06.2022.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 08:10


Өткен иске өкинбеў керек. Өмирден алған соққылардың бәри әҳмийетли емес. Әҳмийетлиси, бизиң ҳеш нәрсеге ийилмей, алға қарап умтылып, өмир сүрип киятырғанымыз.

© Стивен Кинг


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 08:06


🎵 Mirzagul Sapaeva – Saginaman (new version)

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 06:32


Тәўипте өзимиздей бир бенде.

Қалаға дәслепки келген жыллары ағайын аға-жеңгем менен бирге турдым. Олардың сүп-сүйкимли үш баласы бар, тыныш-татыў туратуғын еди. Ағам таң азанда ерте жумысқа кетип, үйине кешлетип бир келетуғын еди. Гейде дым кеш келетуғын әдети де бар еди. Ол кешигип келетуғынын алдын-ала қоңыраў етип, ескертетуғын болыўы керек, жеңгем бәрин билип отыратуғын еди. Бир айдай бирге турып, мениң өсектен аўлақ екенимди билген жеңгем анда-санда қасыма келип, сырын айта баслады. Мен оны тек тыңлайман, ақыл беретуғын жаста емеспен. Оған да сол керек сыяқлы, «неге үндемейсең» деп сорамайды да. Сондағы айтатуғыны – бир тәўиптиң сандырағы. Күйеўиниң кеш келетуғынынан гүманланған соң тәўип палкерге барыпты. Ол «күйеўиң бир жас қыз бенен жүреди» деп көз бенен көргендей айтып берген. Тап қаланың қақ ортасындағы көпқабатлы үйлердиң биринде квартирасы бар, екеўи сонда ушырасады деген. Жеңгем содан кейин қатты стресске түсип, күйеўиниң ҳәр басқан адымынан гүманлана баслады. Дәслебинде билдирмей жылап алатуғын еди. Кейин ала күйеўин ашықтан-ашық жазғырып, урысатуғын болды. Ағамның жумысы қаланың арғы басында, Алматаның көшелериниң тығылысынан үйине зорға жететуғынын айтып түсиндире алмайтуғын еди. Ақырында екеўи ажырасып тынды. Түсинисе алмады, жеңгем ағамды бийкарға жазғырды. Тәўип палкердиң сөзине ерип, орынсыз қызғанғаннан гөре күйеўине исениўи керек еди деймен дә...
Усыдан онлаған жыл бурын әшпам қатты аўырды. Жумысы өнбей, қайта-қайта аўырып, «больничный» аштырып, емленди. Бирақ шыпакерлер «сап-саўсыз, анализлериңиз тап-таза» деп шығарып сала берген. Жумысындағы басшыларға да аўырыў хызметкер керек пе, «жумысқа шығың, болмаса орынды босатың» деп талап қойыпты. Соннан әшпам илажсыз, қуры сүлдерин сүйретип жумысқа шығады. Таңазаннан кешке дейин компьютердиң алдында отырады. «Көзим булдырап, мониторға қарасам қусқым келип, басым қатты аўырады» дейтуғын еди. Соннан бир күни қасындағы кәсиплеси қала сыртында күшли емши, тәўип бар деп қояр да қоймай ертип апарыпты. Сонша жерден барса емши басқа жаққа кетип қалған екен, ертеңине тағы әўере болып барған. Жаңағы емши «саған қатты көз тийген, жолың байланып қалған» деп үҳлеп-сүплеп, бир нәрселерди айтыпты. Кейин «тамақты таңлап жейди екенсең, ол болмайды. Майды көбирек жеў керек. Бойыңды зыян жайлаған, соннан ҳештеңеге заўқың болмай жүр. Ҳәзир ол зыянкести мен саған көрсетемен» депти. Сөйтип еки шийки мәйекти әкелип, денесине тийгизип, ары-бери домалатыпты. Соң жаңағы мәйекти жарып көрсетипти. Қараса жаңағы мәйектиң сарысынан ғужнаған қурт шығыпты. Әшпамның көзи шарасынан шыға жазлап, «усы зыянкеслерден қалай болмасын мени қутқарың» деп жалынған. Соннан не керек, емши «бир қой, жетпис мың теңге ақша, Қуран оқытқанға кәмпит-гүлше, ҳәртүрли нәрселер писирип әкелиўи кереклигин айтыпты. «Сениң атыңнан қурбанлық шаламыз» депти. Соннан әшпам байғус күйеўине айтпай, тыққан ақшасына қой алыпты, жетпис мың теңгени ертип барған кәсиплесинен қарызға алыпты. Сөйтип тәўипке қатырып алданған. Бирақ ем қонған ҳеш нәрсеси жоқ, денесиндеги «зыянкестен» қутыла алмады. Оны маған арадан жарты жылдай ўақыт өткенде айтты. «Мен солай алданып қалдым» дегенде ашыўым келип, жаңағы тәўипти еринбей излеп бардым. Барсам ол ҳәр жерде үй жаллап көшип-қонып жүре беретуғын биреў екен. Орнын таппай, жер сыйпалап қалдық. «Қойдың өзи менсинбей таслап кеткен, қумалаққа сыйынып не көринди» деп бир айтыскердиң айтқанындай, қумалақшы палкер, көрипкеллер бурын да, ҳәзир де көп. Жақын-жуўық, таныслардың арасында соларға исениўшилер де жетерли екен. Әсиресе аўылдағылар қумалақшыға биринши болып барады. Малы жоғалса, яки ден-саўлығы болмаса, шыпакерден гөре тәўиптиң сөзи өтимлирек болып тур. Алданып қалыўдан абайлайық. Тәўипте өзимиздей бир бенде. Оған исенип қатықтай уйып отырған шаңарағыңыздың берекети кетпесин дегим келеди.

Еркежан Момынова

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 05:51


«Олдин бошқача эди бутунлай бари!»

Олдин бошқа эди бутунлай бари,
Телефон йўқ эди, бор эди шамлар,
Мойчироқ гирдида бир оила бўлиб,
Чуғурлашиб ўтирар эдик оқшомлар...

Яқинларга юбориб қўйинг...

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 05:21


▪️Мойнақта нелер болып атыр?

▪️Қандай өзгерислердиң жүз бериўи күтилмекте?

▪️Мойнақлылар турмысына байланыслы қандай қарар ҳәм шешимлер қабылланбақта?

▪️Бул сораўлардың жуўабын
https://t.me/Muynak_Press рәсмий каналында таўасыз.

▪️Бириншилерден болып билип алың
https://t.me/Muynak_Press

Сөз маржаны

08 Jan, 05:21


Бизиң ең баслы кемшилигимиз - қолымызды бир силтеймиз. Жетискенликке жетиўдиң бирден-бир жолы - тағы да урынып көриў!

Ўәдени орынлаўдың ең дурыс жолы – ўәдени бермеў.

Наполеон


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 04:27


СЫРҒА САЛЫУ ҮЛКЕН ТОЙҒА АЙЛАНДЫ.

Хәр заманға бир заман деймизау. Негизи заман емес адамлар өзгерип атыр.
Бурынлары жигиттиң Анасы бир еки жасы үлкенди ертип
түйиншигине тауар нан хәм печенье кампитин салып, дастурханын алып, қыздың алдынан өтип келетуғын еди.
Хәзир басқаша болып кетти.
Мәйли сырғасын салағойсын.
Қыздың үйиниң иши менен танысып, болажақ Қуда- қудағайын, келиниң көреғойсын.
Дәбдебе қыла бермей қәдимгидей, бир еки адам болмаса, өзине тәбийий төрт - бес адамды ертип барып, дастурханын алып сырғасын салып, қайтыуға болады.
Алдын тек сырға салып қоятуғын еди. Енди болса бул сырға салыуда дәбдебе болып кетти. Баяғы сырғаның орнына комплект сырғасының қасына жүзикте салыу керек. Ол да бриллиант болыу керек. Биреу табады, биреу таппайды. Тағы себетлерде көбейип кетти.Не керек усыншама ысырапшылық, дәбдебениң.
Адамлар жағдайына қарамай бир - бирине жарысып, кем болмайын деп, жетпесе жетпеген жерине қарызланып, қәуеленип апарып атыр. .Бул енди мениң өзимниң жеке пикирим.
Бирақ хәзирги заманда бир- биреуге жарысыу көбейип кетти. Сырға салыуды үлкен тойға айландыра бермей, әпиуайы етип өткериуге де боладығо.

Гүлбахар Қарабаева.
8-1-2025.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 02:54


Айдос баба

Кел баба, шығыңыз төрге,
Ҳақ яратқан нәзеркәрде,
Теңгени бөлдик төрт жерге,
Бирин алың, Айдос баба!
-Мәрт болған ўәдеде турар,
Сөзин бузғанды ант урар,
Төрттиң бирине дийқан турар,
Тең бөл! – деди Айдос баба.
-Ханды уллы қылды қудай,
Дәскеси көп, хан еки пай,
Сизиң менен бизлер бир пай
Болдық енди, Айдос баба.
-Адам болсаң, абырай излең,
Отырар орныңды гөзлең,
Тиллериңди тартып сөзлең,
Алмам, - деди Айдос баба.
-Сондай болды истиң түри,
Айтса кетер кеўил кири,
Сизди қылдық төрттиң бири,
Алғыл енди, Айдос баба.
-Уллы болса ханың уллы,
Болажақсыз бәриң уллы,
Қайдан алыпсыз бул пулды?
Айтқыл – деди Айдос баба.
-Ханның қылған буйрығы шул,
Хан ҳәмирине мойынсынғыл,
Ҳәммеге бирдей салық пул,
Алың енди, Айдос баба.
-Хан отырар салқын жайда,
Тилла көшкили сарайда,
Мен болмасам ақша қайда?
Билиң – деди Айдос баба.
-Баба бунша қатты қашпа,
Сум нәпсиңниң аўзын ашпа,
Хызметкер көп сеннен басқа,
Қанаат қыл, Айдос баба.

Бердақ Ғарғабай ул


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 02:35


Ақшолпан Аманияз
Медет Мубареков 🎼
Гулдасте Курбанбаева 🎤

"Сырғалы қыз"....

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 02:08


Сондай инсанлар бар, олар сизди жақсы көргени ушын орнына сизден ҳеш нәрсе талап етпейди. Олар тек ғана сизди бахытлы жағдайда көриўди қәлейди болғаны. Сондай инсанларды қәдирлең. Тәғдир оларды қайтадан жибермейди...

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 02:01


🎵 Nurgul Nurlibaeva – Qizin'man

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Jan, 01:56


Қайырлы таң.!!

Ден саўлықта,аман есен және бир таңды қарсы алдық .
Әзизлер сизлер менен аманласып турғанымнан қуўанышлыман.

Ден -саўлық ҳәм аманлықты тилейин.
Ҳәр күн сәўбетлесип бирге жүрейин.
Ассалаўма әлейкум қәдирданлар.
Шын кеўилден жақсы тилек тилейин.

Күниңиз пайызлы өтсин.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

07 Jan, 17:01


Қайырлы ақшам.Қәдирданларым.!!


Күни менен сәўбет болды ,саз болды.
Меҳирли ҳәм жыллы сөзлер мол болды.
Таңда және аман есен көрисип.
Алла берсин несийбесин,кең жолды.

Әзизлерим.Бүгинги күнимиз де жуўмағына жетип қалды.
Жақсы пикир ҳәм жағымлы сөзлериңиз ушын шын кеўилден миннетдармыз.

Таңда және аманласыў несийп етсин.

Түниңиз қайырлы болсын.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

07 Jan, 16:19


Ата-анам, туўысқаным қоллады

Қатал турмыс бийлеп, мени утқанда,
Сыйынан дәметсем қабақ шытқанда,
Көнлигип дәртимди ишке жутқанда,
Ата-анам, туўысқаным қоллады.

Алыс кеткенлер көп дәўлет тайғанда,
Жүзеки қатнасын көрип ҳайранман,
Намәртлердиң ислеринен тойғанда,
Ата-анам, туўысқаным қоллады.

Аўырманлық етип турмыстың жүги,
Еплеп көтергенде белимди бүгип,
Ойға батсам алысларға көз тигип,
Ата-анам, туўысқаным қоллады.

Шадлық суўы болғанында тамтарыс,
Қыйнары ҳақыйқат руўхый арпалыс,
Кеўил жақынларға үмит артамыз,
Ата-анам, туўысқаным қоллады.

Бул өмир сынаса жүн киби түтип,
Жасадым тек ғана жақсылық күтип,
Жанымнан бир ели қалмастан кетип,
Ата-анам, туўысқаным қоллады.

Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

07 Jan, 15:56


Ер адамлар қандай ҳаялларды унатады.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

07 Jan, 14:03


Кимниң қосығы зор👍👍шыққан☺️

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Jan, 08:46


#Ата_дәстүр

ДАЎА

Бир күни Жәнибек ханның исенимли кеңесгөйи Жийренше шешен қатты наўқасланып, төсек тартып жатып қалыпты. Ўәзириниң қыйналып атырғанына шыдай алмаған Жәнибек хан пүткил қаланы тик аяққа турғызып, Жийреншени емлей алатуғын ең күшли емшилерди сарайға алдыртыпты. Бирақ ҳеш қайсысы Жийреншениң аўрыўына ем таба алмапты.
Сөйтип, әйтеўир дегенде ҳәмме дәртти даўалай алады,- деп бир Өтебойдақ деген тәўиптиң дәреги шыққаннан, Жәнибек хан оны бирден сарайға алдыртады.
Өтебойдақтың қолланған еминен кейин Жийренше шешен дәртине даўа таўады.

Ўәзири тәўир болғаннан кейин Жәнибек хан емшиге бираз сораў қойыпты. Ҳәмме сораўларына кеўилге қонымлы жуўаплар алған соң, сөзиниң ақырында:
- Қандай аўрыўды емлеў қыйын? - деп сорапты.
Сонда тәўип:
- Туқым қуўалайтуғын аўрыўларды емлеў қыйын десе, Жәнибек хан турып:
- Оны емлеўдиң иләжы бар ма? - сорайды.
- Бар. Оның шешими жети атаға шекем қыз алыспаў,- депти.
Жети атаға шекем қыз алыспаў түрки тиллес халықларда бәлким, соннан қалған шығар.

Топлаған:
Қуўанышбаева Гүлайым

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Jan, 07:18


#Тәрбия

    Балам, өмирдеги ең әҳмийетли нәрселердиң бири  бул - сениң тәрбияң.
    Сен жоқары мағлыўматлы, 4 тилде сөйлесе алатуғын ямаса үлкен лаўазымда ислеўиң мүмкин. Бирақ сениң тәрбияң ҳәм минез-қулқың ийелеген лаўазымыңа ылайық болмаса, сен көп нәрсени жойтасаң.
    Илимиң сени лаўазымға көтериўи мүмкин, бирақ тәрбиясызлығың сени бир күнде лаўазымнан да, абыройдан да түсирип таслайды. Соның ушын ҳәрдайым тәрбияға итибар бериўди умытпа.

    Балам, соны ядыңда тут: әўмет өзинен-өзи келмейди. Оған бәрҳа  сабыр-тақат пенен бирге, мийнет, дөретиўшилик ҳәм  изленис жолында жүриўиң керек. Сонда ғана сен мийнетлериңниң жемисин көриўиң мүмкин.
    Сен дәслеп, мийнет етиўди үйрен. Содан соң күтиўди, сабыр сақлаўды үйрен. Бирақ айырым адамларға уқсап, мийнет етпей, ҳәммеси өзинен- өзи келеди деп күтип жатып, өмириңниң өткенин билмей қалма.

    Абдурашид Хасанов

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Jan, 06:39


#Психологиялық_тест

Өзиңизге унаған таслардан бирин сайлаң ҳәм қандай инсан екенлигиңизди билип алың.


ЖУЎАПЛАР

1 - тас

Сиз кишипейил, кең пикирли ҳәм меҳрибан адамсыз. Сиз бул дүньяға пайда келтириў ушын ҳәр тәреплеме ҳәрекет етесиз.

Сиз бул дүньяны түптен өзгерттире алмаўыңыз мүмкин, лекин әтирапыңыздағы адамлардың өмирин өзгертиўиңиз мүмкин!

2-тас

Сизге ҳақыйқый муҳаббат керек. Сиз оны ҳеш қашан табалмайман деп уўайымлайсыз! Сиз оптимист ҳәм жүдә жақсы адамсыз.

Бирақ, сизде психологиялық жарақатлар көп. Сиз инсан түсинигин излеп атырсыз!

3 - тас

Сизге жақсы китаплар унайды. Сиз ойшаң ҳәм масласыўшаң адамсыз. Сиз жаңа идеялар ҳәм өзгерислерге тайынсыз. Сиз ҳадал инсансыз.

Сиз ушын ең әҳмийетлиси, өзиңизге садық қалыўдур. Сиз саналы ҳәм ғәрезсизсиз. Сиз өзиңизди жүдә мақтаныш етесиз, лекин сондай болса да сиз кишипейил инсансыз.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Jan, 05:33


#Психологиялық_тест

Өзиңизге унаған таслардан бирин сайлаң ҳәм қандай инсан екенлигиңизди билип алың.

▶️1⃣
▶️2⃣
▶️3⃣

Жуўапты азмаздан кейин оқыйсыз

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Jan, 04:40


Өмирдеги ең бахытлы 29 мәўритлер:

1. Тап-таза төсекте уйықлағанда;

2. Суўды аяқ пенен шалпылдатқанда;

3. 3 ямаса оннан да көп рет түшкиргенде;

4. Сүрнигип кетип, бирақ қуламағанда;

5. Қумды аяғыңның бармақлары менен сезгенде;

6. Көптен күткен СМСтиң келгенлигин көргенде;

7. Ҳақыйқатқа уқсайтуғын жүдә қорқынышлы түс көрип, оның түс екенлигин
аңлағанда;

8. Сабақта сораўларға бирден тез-тез жуўап берип таслағанда;

9. Балалық ўақыттағы сүўретлерди қарағанда;

10. Самал желде көзиңди жумып қолыңды қустың қанаты сыяқлы көтергенде;

11. Сиз сыйлайтуғын инсан арнайы байрам менен қутлықласа;

12. Сумкаңыздан ямаса қалтаңыздан ақша таўып алғанда;

13. Суўық күнде муздай көрпеңе оранып, көрпениң жылынып атырғанын сезгенде;

14. Ойда жоқта телефоныңыздың бурынғы парольин өтирик жазып ашып, ол дурыс болып шыққанда;

15. Шаш алдырып болған соң шашыңды услағанда;

16. Музлатқыштың иши тойдан қалған сарқытларға толып турғанда;

17. Тасты лақтырып гөзлеген жериңизге тийгизгенде;

18. Әңгиме арасында қасыңдағы адамның не айтпақшы болғанын билгенде;

19. Өзиңизди телевизордан көргенде;

20. Тап-таза қағазы менен турған кийимди кийгенде;

21. Будильниктен еки, үш сағат ерте турып, еле қанша ўақыт уйықлаўға болатуғынын билгенде;

22. Күтилмегенде бир жерден балалық дәўирдиң ийисин сезгенде;

23. Унап қалған қосықты қайта-қайта тыңлағанда;

24. Күлгениң соншелли, көзден жас ағып кеткенде;

25. Жақтырған музыкаңызды бир жерден еситкенде;

26. Кишкене гезиңде ойнаған ойыншықларды жыйнағанда;

27. Күн ыссыда қолыңды муздай суўға жуўғанда;

28. Көрпешениң салқын жағын айландырып салып жатқанда;

29. Шаршап келип уйықлағанда - сиз нағыз бахытты сезинесиз!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Jan, 03:43


#Қәлб_сөзи

ӨМИР ӨЗИ

Өмир өзи толқынланған бир теңиз,
Ийримине баш келмесек шөгемиз.
Бахыт-бахытсызлық бундадур егиз,
Гейде күлип, гейде көз жас төгемиз.

Жығылсақта аңлаўсызда сүрнигип,
Даўам етпек жолымызды, түргелип.
Отырғанша налыш етип сырнығып,
Күшли болыў, жасаў ушын үлгерип.

Аллам бизге көтергендей жүк берер,
Ийнимизге салмас ҳасла артығын.
Мәнзил таман өзи демеп жеткерер,
Арқалатып тәшўишлердиң қапшығын.

Бирге байлық, ал биреўге жоқшылық,
Көрсетеди ден саўлықтан жәбирди.
Аларма деп бул сынақтан саў шығып,
Сынар екен қаншама деп сабырды.

Шыдай алсақ турмыстың зил жүгине,
Етер екен изи қайыр-жақсылық.
Қуламастан тура алсақ тигине,
Жарық сәўле көринеди жарқылық.

Көзде жасты булап турып ҳәттеки,
Күлип бақсақ бул бес күнлик өмирге.
Аўлақ болсақ жаманлықтан қәўпеки,
Күлип бизге қол созады өмир де...

      ГҮЛХАН НУРЫМБЕТОВА
        
https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Jan, 02:57


БЕРДАҚТЫҢ ДУЎТАРЫ

Сөзи: Ибрайым Юсупов

Ҳаслың сениң ағаштандур,
Сөйле дуўтар, сөйле дуўтар!
Ҳаўазың толы әрмандур.
Дәртиң баян әйле дуўтар.

Гүмбирлеген сазға байсаң,
Дәртлеримди қозғағайсаң,
Гүңиренип неге жылайсаң?
Тилиң болса сөйле дуўтар!

Гөне заманның гүўасы,
Шарханаңда саз ағласы,
Бердақ бабамның муңласы,
Дәртиң баян әйле дуўтар.

Уллы шайыр ийең болған,
Қулағыңа бүлбил қонған,
Талай тойларды атқарған,
Даңқың белли елге, дуўтар.

Гүмбирлеген сазға байсаң,
Дәртлеримди қозғағайсаң,
Гүңиренип неге жылайсаң?
Тилиң болса сөйле дуўтар!

Май 1988жыл

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Jan, 02:00


АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!

    Парахат елимиздиң жаңа таңы ҳәммеге мүбәрек болсын!
    Әлбетте, ҳәр биримиз жаңа күннен жақсы жаңалықлар, жаңа сәтлиликлер күтемиз. Иләйым, усындай жақсы үмитлеримиз әмелге ассын!

    "Ўақыт - ҳәмме нәрсени өзгертеди", дейди. Бирақ ҳәрекет болмаса ҳеш нәрсе өзгермейди. 
   Ҳәрдайым ҳәрекетте болайық. Себеби ҳәрекеттен тоқтаған адамның отырғысы келеди;
    Отырған адамның жатқысы келеди;
    Жатқан адамның уйқысы келеди.
    Ал, уйқы деген ол - ғәплет.
     Тири бенделерди ҳеш қашан ғәплет баспасын!

    ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 17:00


#Қайырлы_ақшам

    Сиз бизесиз бе әзизим,  "Өз-өзиңди ҳүрметлеў - сени басқалардың ҳүрметлеўи ушын қойылған биринши қәдем".
      (Джонатан Тригелл.)

    Солай екен, биз ең алды менен өзимизди ҳүрметлеп, артықша көп  сөз сөйлемей, артықша ҳәрекетлер ислемей, өзимизди артықша шаршатпай, ишки дүньямызды ҳәм  сыртқы көринисимизди таза сақлап,  ўақтында аўқатланып, ўақтында уйықлаўды әдетке айландырғанымыз жөн екен.

    Ал, енди дем алатуғын ўақтымыз келди. Алла таалам ҳәммемизге түн тынышлығын инәм етсин!

    ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 15:31


#Билип_қой

ҚӘЛЕГЕНИҢДИ ИСЛЕ...

Қәлегениңди исле, бирақ билип қой: не ислесең де, бир күни келип, өзиңе қайтады.

Биреўге жәбир еткен болсаң, бир күн келип саған да зулымлық етиледи.

Азар берсең, бир күн келип саған да азар бериледи.

Ҳақың болмаған затты алсаң, бир күн келип сениң ҳаққың да тартып алынады.

Ертеңги күни саған не етилиўин қәлесең, ҳәзир-ақ соны ет.

Билип қой, қайсы гүнаны еткен болсаң, өзиңе де тап сол гүна қайтады).
Қылмысыңа муўапық жаза аласаң!

"Ҳикметлер" китабынан

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 13:40


#Нәсият

Қәдириңди билмегенге қәддиңди бүкпе,
Кеўилиңди билмегенге дәртиңди төкпе!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 13:04


Бой өсириўдиң тәбийий еми

Жийдениң 500 грамын 4 литр суў менен үсти жабық ыдыста 20 минут қайнатып, тәкирар 2 ай 3 мәҳәлден 40 граммнан ишилсе, бой өсиўине жәрдем береди.

Бой өспей қалыўына көбинесе витаминлер жетиспеўи себеп болады. Жийдеде болса бой өсиўи ушын зәрүр болатуғын ҳәмме витамин ҳәм минераллар бар.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 13:04


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 12:08


#Ҳақыйқат

Бахытлы болыўдың тек еки жолы бар:

Бириншиси шеги жоқ қәлеўлерди жылаўлаў
Екиншиси болса пулды көбейттириў.

Екеўинде бир ўақытта әмелге асырған инсан данадур.

Бенжамин Франклин

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 11:15


МУҒӘЛЛИМЛЕР ХАҚҚЫНДА.
(хазил-шын аралас 😊)

•ИТАЛИЯда "үш кәсип ийелери жолдағы тығылсыпада (пробкада) қалмауы керек. Оларға жол берилиуи шәрт.
1-тез жәрдем
2-от өшириушилер
3-муғәллимлер. Усы үшеуиниң кешигиуи қәуипли" деген принцип бар екен.

•ФРАНЦИЯда "байлар өзиниң зәулим жайлары менен емес, муғәллимге қоңсы болғаны менен мақтанады" екен.

•ШВЕЦИЯда "биринши перзентим шыпакер, екинши перзентим болса оннан жақсырақ муғәллимшилик кәсибин ийеледи" деп мақтанады екен.

•ГЕРМАНИЯның бурынғы канцлери Ангела Меркель, айлығынан наразы болған шыпакерлерге: -сизлер, сизлерди оқытқан муғәллимлерден көп айлық талап қылыуыңыз орынсыз" депти.

•АНГЛИЯда "бул бала данағо, тап муғәллимлердей пикирлеуин қараң" дейди екен.

•ӨЗИМИЗде болса

"муғәллимлер неге жазғы еки ай дем алыс уақтында мектепке бармасада айлық алады? Я ең болмаса бир айына пулсыз отпуска берилсин. Я болмаса үйме-үй кирип "хаяллар дәптери"не жәрдем етсин, я болмаса биринши классқа баратуғын балалардың дизимин алып шықсын. Қулласы айлығын хадаллап алсын.

Ети сизики, сүйеги бизики деген заман өтти, баламызға бақырмасын, урмасын.

Муғәллим болып турып қайсы пулына машын алды екен я?"

Ҳәм тағы басқа усындай гәплер айтылады екен.

Енди билдиңиз бе европа неге әмелде рауажланып кеткенин.

Муғәллимлееер. Жанларыңыз сау болсын,шаршамаң!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 09:05


Наўрыздың такси болып тапқан ақшасын қосып, балалар кишилеў ўақтында үйимизди питкерип алайық деп,  үйлериниң алдына үш бөлме қосты. Оны көрген енеси:
    - Мына қап-қара жалмаўыз үй деп өлип баратыр. Балам онысыз да жолдан шаршап келеди. Бул үй-үй деп баламды өлтиретуғын болды,- деген гәпти көбейтти. Енесиниң сөзине Айсулыў
   - Ҳаў, Наўрыздың үйи кең болып, дос-душпанының алдында қысынбай отырса жаман ба?  Балларымыз да өсип киятыр. Ертең қуда қалесе усы жайда тойлар берсек деп нийетленип атырмыз ғой. Қайта усылай баласы бир өрис болып отырғанына енем  қуўанбай ма екен?! - деп ишинен күйип-писти.
    Имараты питкеннен кейин, ишине төсейтуғын гилем-палас алса да енеси сөйлей берди. Көрпеше, көпшик ислеп, ыдыс-табақ алса да  сөйлей берди. Болмаса, қәйнилери үйленгенде  "усы шаңарақтың үлкен келинимен," деп тойдың бир жағын көтерисип атыр. Арасында байрам, туўылған күнлеринде енесине алтын жүзик, жемпер, шуба алып берип атыр. Сонда да енесиниң Айсулыўға мүнәсибети өзгермеди. Сондай күнлердиң биринде Наўрыз машинасы менен адам қағып алып, судланып кетти. Ал енди Айсулыў енесиниң гәп-сөзинен қутылағойсын!
   - Сумырай келсе суў қурыйды! Балам усы қара қатынның сөзине қалмайын деп, күндиз-түни такси болып, ақыры түрмеде жатыр. Адамлардың келинлериниң төркинлери сүйесип атыр. Буның артында төркини болмағаннан кейин хожалықтың барлық салмағы балама түсти ғой!.. - деп ким көрингенге қақсап айта берди.

Онысыз да кеўли ярым Айсулыўға күйеўиниң қамалып кеткени аңсат болмады. Үйинде өсип киятырған үш баласын ҳеш нәрседен тарықтырмаў ушын, азанда ерте анаў-мынаў писирип мектепке апарып сатыўға алып кетеди. Балалардың тамағын аш, үстин жалаңаш қылмай, хожалықтың барлық төлемлерин төлеп, соның арасында Наўрыздың орнын билдирмейин деп, кеўил жетердиң той-мерекесинен қалмай жуўырып-жортып жүрди.
Наўрыз жеңиллик пенен бес жылда түрмеден шығып келди.

Бул гезде Айсулыўдың жүреги аўырып, денсаўлығы едәўир нашарлап қалған еди. Наўрыз келгеннен кейин бир жыл өтип, қыстың қаҳарлы суўығында анасы қайтыс болды. Ол өзи менен арғы дүньяға ҳеш нәрсе алып кетпеди.

Қуўанышбаева Гүлайым

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 09:05


ЕНЕМ

Күн сайын телеграм тармағы арқалы бирнеше адам хабарласып, өзлериниң басынан кеширгенлерин, турмыс тәшўишлерин айтып отырады. Солардың арасында мына аудио жазба мени ойландырып қойды. Ким анасын жаманлағысы келеди? Бирақ басқаның перзентин өз перзентиндей көре алмайтуғын аналар да бар екен...

Айсулыў көп балалы шаңарақта өсти. Өзинен үлкен үш әжағасы, үш әжапасы, бир сиңлиси бар. Әкеси совхозда механизатор болып, анасы пектепте китапханашы болды. Ата - анасы Айсулыў сегизинши класс оқып жүрген күнлери жол апарына ушырап қайтыс болды. Сонлықтан олар бала болып, кийим ямаса басқа нәрсе деп ҳеш ҳаўаланбады. Тек сабағын оқып, оннан басқа ўақытлары үй жумысларына қарасып, ер жетти.
Айсулыў бәрҳә әжапаларына болмай қалған кийимлерин кийер еди. Тек студент болғаннан кейин арасында досларының тойларына, байрамларда стипендиясына таза көйлек алып кийди. Оқыўын тамамлағаннан кейин мектепте муғәллим болып ислеп жүрип, өзи менен оқыған Наўрыз бенен турмыс қурды. Бирақ, келиншек болып келген күннен баслап оны енеси суўық қабыллағанына үйренисип кетермен деп итибар бермеўге ҳәрекет етти.
- Әке-шешесиниң басын жутқан, қап-қара жалмаўызды алып келип, Наўрыз-әм! Басқа қыз қапылып қалғандай! - деген сөзлерин еситсе де, еситпегенге салды. Атасы арасында:
- Ҳәй кемпир, қой сондай әңгимеңди! Ата-анасының өмири қысқа болғанына балларында не жазық?! Оннанша, қарағым, шырағым, деп жақсы сөзиңди айтып жумсай бермейсең бе? - деп ескертип қояды. Ондай гезде кемпири ғаррысының сөзин тыңлағысы келмей, тоңқылдаўы менен орнынан турып шығып кетеди.
Наўрыз туңғыш перзент болғаннан кейин еки бөлме жай салып берип бөлек шығарды. Енесиниң жанға тийетиуғын сөзлеринен қутыламан деп қуўанған Айсулыўдың үмити пуш болды. Қайта енесиниң:
- Саған жай салып бердик. Адамлардың ата-анасы қызларына дүньясын берип атыр. Бул жетимектиң ҳалынан хабар алатуғын бир туўысқаны жоқ. Мениң берген көрпе төсегимде рәҳәтине жатыр,- деп, оннан сайын миннет етиўи көбейди. Ҳәр келгенинде енеси Айсулыўдан ақша, таўар, азық-аўқатлық затлар ҳәм қолға илингендей нәрсеси болса сорап алып кетеди. Той-мерекеге баратуғын болса да:
- Айсулыў, маған да жаздыратуғын ақша алып шық. Кейиннен пенсиядан беремен,- дейди адамлардың көзинше. Айсулыў енесине жоқ деп айтып көрген емес. Бирақ усы ўақытқа шекем қарызға деп алып едим-аў. Булардың да бала-шағасы бар ғой,- деп еслеп көрген емес. Болмаса, атасы менен енеси пенсияда, қолындағы бала менен келинниң айлықлары жақсы. Үйинде машинасы, маллары, қой-жанлықлары, таўықлары, атызлары бар. Сонда да: "Алсам өзимниң баламның тапқан ақшасына келгенин алып атырман. Анасы болғаннан кейин, баламның табысында мениң де ҳаққым бар. Қара қатынның мектепте ҳәрип санап тапқаны өзинен аўыспайды," деп ким көрингенге айтып отырады. Мүмкин оның айтқаны да дурыс шығар. Әйтеўир енеси Айсулыўдан алғанды жақсы көреди...

Айсулыў өзиниң айлығы менен

Сөз маржаны

05 Jan, 07:19


МУЗЫКАЛЫҚ ТӘНЕПИС

Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист
Юлдуз Турдиева ҳәм Қарақалпақстан халық бақсысы
Гүлбәҳәр Ақымбетовадан аралық дует.
Қарақалпақ халық шайыры Аяпберген Муўсаев сөзине
"Қарақалпақта"
(Тәрийип) қосығы

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 05:34


#Даналық

Адамлар төрт түрли болады :
ашкөз, сықмар, адамгершиликли, сақый.

Ашкөз өзи де жемейди, биреўге де бермейди.

Сықмар өзи жейди, бирақ биреўлерге бермейди.

Адамгершиликли өзи де жейди, өзгеге де береди.

Сақый болса өзи жемей, өзгеге береди.

Жалалиддин Румий

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Jan, 04:14


#Пикирлең

Байрамға таярлық көрип атырған ҳаял таўық алыўға дүканға барды.
Ертең байрам күни болғаны ушын дүканлар босап қалған.
— Таўықтан қалды ма? — сорайды ҳаял.
— Аўа, бар, — деп тоңлатқышта қалған бир таўықты шығарып тәрезиге қояды сатыўшы.
Таўық бир ярым кило еди.
— Сәл үлкениреги бар ма? — сорайды ҳаял.
— Аўа, бар, — деп сатыўшы тәрезидеги таўықты тоңлатқышқа қайтарып салады ҳәм сол таўықтың өзин тағы тәрезиге қояды. Енди таўық анық еки кило еди.
«Қалай? » дейсиз бе?
Тәрезиден жейтуғынлар ушын бул әпиўайы жумыс.
Сатыўшы тәрезиге таўықты қойып, пышақтың ушы менен тәрезини басып турады. Нәтийжеде, таўық еки кг шығады. Ҳаял қуўанып кетти.
— Еки таўықты да алайын, екеўин де орап береғойың, — дейди ҳаял.
Сатыўшы басын тоңлатқышқа тығып узақ турып қалады... Соған айтады да «өтириктиң өмири келте» деп.

Ийман менен өтирик бир жерде турмайды!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 16:25


Ассалаўма әлейкум.Қымбатлы әзиз топар ағзалары.
Сизлерди жақынласып қалған жаңа 2025 -жылыңыз бенен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Таза жыл ҳәр бириңниң шаңарағыңызға мол табыс әўмет ырысқы-несийбе ҳәм жаңа жаңалықлар алып келсин.
Гөне 2024-жыл менен хошласыў алдында турмыз.
Өткен жылымызда әжайып жаңалықлары ,қуўанышлары менен тарийх бетлеринде жазылып қалмақта.
Келип қалған жаңа жылымыз да орынланбаған режелериңиз болса орынланып ким не әрман еткен болса иске асыўына тилеклеспен.

🎄🎄🎄🎄☃️☃️☃️☃️🎄🎄🎄🎄☃️☃️

Сизлер менен жақында болсада танысып,сәўбетлес болып отырман.Бул ушын мен жүдә қуўанышлыман.
Ҳәр күнги темаларыма,постларға өз пикирлериңизди билдирип отырған апа,ажапалар,досларым,сиңли инилерим бәриңе миннетдарман.
Ҳәммеңизди жақсы көремен.

Бул жерге келиўиме себепши болған Гүлайым қызыма да өз миннетдаршылығымды билдиремен.
Жаңа жыл қутлы мүбәрек болсын деймен.☺️😘😘

🎄🎄☃️☃️🎄🎄☃️☃️🎄🎄☃️☃️

Ҳәр күни жаңа жаңа сәўбетлер менен пикирлесиў несийп етсин.

ЖАҢА ЖЫЛЫҢЫЗ ҚУТЛЫ БОЛСЫН !!!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 16:16


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 15:54


Жақынлаған 2025-жылда Жүзлериңиз Жарықлықтан, Жүрегиңиз Жыллылықтан Жайнасын. Жаңа Жыл Жоқары Жетискенликлерге, Жақсы-Жақсы Жаңалықларға, Жаңа-Жаңа Жолдасларға, Жырақтағы Жақынларға, Жыллы Жүзлерге Жолықтырсын.
Жүримиңиз Жаңарып, Жыллы Жүрегиңиз Жалындай Жанып, Жасарып Және Жүзинши Жаңа Жылға Жүзлесип Жүриң!
Жолларыныз Жарық Жулдыздай Жақтылансын, Жаңа Жылдан Жаңа Жылға Жарық Жүзлерде Жеткерсин! 🎄🎄🎄.
https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 15:29


Анықлап қараңыз:

Шыршаны ким қалай жасайды?
😁😂😄

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 15:17


ЖАҢА ЖЫЛ

Бар әлемге қутлы қәдем басқайсаң,
Бахыт ушын нурларыңды шашқайсаң,
Шадлық пенен кеўиллерди ашқайсаң,
Қуўанышқа толы бол сен жаңа жыл.

Келешекке жолды айдын жол қылып,
Дийханлардың қырманларын мол қылып,
Дәрья менен каналларды толтырып,
Ағыс пенен суўды әкел жаңа жыл.

Шаңарақ деп гезген узақ жерлерди,
Қуўыстыр сен шетте жүрген ерлерди,
Өз елине қайтар жуўан беллерди,
Сағынышын сарғайтпағыл жаңа жыл.

Малларымыз көк бостанда жайласын,
Ширели қып ғаўышларды шайнасын,
Егиз туўып қарнына май байласын,
Байытқайсаң қаракеңди жаңа жыл.

Пуш қылма сен мийнет пенен зийнетти,
Быйыл сени пүткил дүнья бий етти,
Орынлағыл әрман менен нийетти,
Үмитлерди ақлағайсаң жаңа жыл.

Турғанбай Қарлыбаев

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 15:08


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 15:07


ЖАҢА ЖЫЛҒЫ ТИЛЕКЛЕР

Шадлықлардан шəукилдесип жүреклер
Көтерилип алақан, қол
билеклер
Хәр Жаңа жыл бир-биреуге айтылар
Ең зор, жақсы-жақсы, шийрин тилеклер

Не-не арзыу умит пенен буны биз
Куткенликтен, кирсе Жаңа жылымыз
Қутлықлаймыз биримизди биримиз
Айтып жақсы-жақсы, шийрин тилеклер

Балық жылы кетер енди хошласып
Жылан жылы келер бизге досласып
Шайыр қәлем услар илхам йош тасып
Қосық пенен жазылып зор тилеклер

Аспан ашық, елим тыныш болсын деп
Жап салмалар ағын сууға толсын деп
Хəр кимниң басына бахыт қонсын деп
Айтылады жақсы, шийрин тилеклер

Жаңа жылда егин дөнип жасылға
Дийхан ийе болғай деп мол хасылға
Хәр Жаңа жыл, хәр дәстурхан басында
Айтылады ең жақсы зор тилеклер

Рауажланып барлық тарау, салалар
Сулыу туске енсин ауыл қалалар
Мол зурәәт берсин атыз далалар
Деп айтылар хәр Жаңа жыл тилеклер

Берекетли боп келгей деп жылымыз
Хәр жыл айтып тәкирарлаймыз буны биз
Арналады тилек қосық жырымыз
Қабыл болсын Жаңа жылғы тилеклер...

Ерм.Ак.
Ермекбай Акимбаев.
Қоңырат
30.12.2024-ж.


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 14:56


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 14:24


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 13:49


。        🌟
   。           🎄         。。
         🎄🎄。 。  
       🎄🔴🎄  
     。 🎄🔴🎀🎄
。  🎄🎀🎄🔴 🎄。。
    🎄🎄🎀🎄
。。🎄🎄🔴🎄🎄  
     🎄🎄🎀🎄🔴🎄
  🎄🔴🎄🎄🎀🎄🎄
🎄 🌲🌲 🌲🌲 🎄
🎄🎄   🌲🌲🌲🌲🌲                 
    🎄🎄🔴🎄🎄🎀🎄
🎄🔴🎄🎀🔴🎄🎄🎄


Байрамлар баса бас  болады. Байрамларда бақсылар болады, бақсылардың биразларына буйрытпалар болады, биразларына болмайды. Бәрине бола бермейдиго, буйырғанына болады, бирақ бәри бир бақсыларсыз байрам байрамдай болмайды. Бақсылардан биз билемиз бабамыз Бердақ бақсы, Бийбигүл бақсы бар. Бердақ бақсыны бәриңиз бурыннан билесизлер, бирақ Бийбигүл бақсыны бирде биреӯиңиз билмейсиз. Бул Бийбигүл бақсы бул  Бозатаӯдағы бизиң балдыз. Билесизлер балдыз балдай болады. Бизиң Бийбигул балдыздың бир байы бес баласы бар. Булардың бағы бар, бир басбақ, бузаӯ, буғалары бар, бағында бүл-бүллериде бар, Бийбигүлдин байы Базарбай. Базарбай бул бизиң балдыздың байы болғансоң, Базарбай бизге бажа боладығо, Базарбай бажа базарда бизнесмен. Бизнесмен болғансоңба былтыр Бийбигүлге брилянт билезик берди. Бизнесмен болғансоң бередиғо, билесизлер бизнесменлер бай боладығо, бизнесмен болса болсын банкрот болмаса болдығо, банкрот болса бес баланы бағалмайды, Бийбигүл болса бақсы бирақ бурын Бийбигүл Бозатаӯда больницалардың биринде бас бухгалтер болған, Бийбигүл былайынша банкиде басып биледи, былтыр банкилердиң бәрине баклажан баса берген, бизлер барсақ болды бизлерге баклажан бере береди, баклажаннан бийзар болдым, балдыздикине бармайтуғын болдым. Булардың бес баласы бар! билесизлер бес баланы баққан бейишке барады, бириншиси Боранбай. Боранбай бул балықшы бала, балыққа барады, балыққа барса бәрҳа батпаққа батады, ботинкасы, балақлары, билеклери батпақ-батпақ болады. Ботинкасының баӯы байланбайды, балықшы болса болсын бийталап болмаса болдығо, буннан басқа баласы Баӯыржан бар. Баӯыржан бул боксшы бала, батыр бала, Боксшы болғандада бириншиликлерге барған. Бухараға барып биринши болған, Белгияга барып бесинши болған, буның бес бронзасы бар, бирталай белбаӯлары бар, болмаса бармайдығо бокске, бәле барма боксте. Буннан басқа баллары бар Байжан, Бегжан бул баллар бокске бийпәрӯа баллар, бокске бийпәрӯа болсада булар билимли балалар, билимли болғанда биреӯи биологиядан биледи, биреӯи ботаникадан биледи, билгендеде беске биледи, булардың баҳалары бес, билимли балалардың баҳалары бәрҳама бес боладығо, бесиншиси Бийбиназ. Бийбиназ бул бақшаға барады, балалар бақшасына, бақшаға барсада бәле бәрин биледи, бөлиӯди биледи, бөлшекти биледи, болмаса бөлиӯ, бөлшек бәри бирдейғо, беске бести бөлсек бир боладығо, бирге бирди бөлсек булда бир болады, булардың бәрин Бийбиназ биледи, болмаса бөлиӯди биразларыңыз биле бермейсиз. Бийбиназ бақшаға барса бәрҳа басына бантик байлап барады, басына бантик байлап барса басында бийт болмайды, болмаса басында бийт болса бақшадағылар бақырадығо. Бул баллар бесеӯиде бәле баллар, билмеймен бир бирине баӯырман, басқалардың балларындай банзыға, билярдқа, болар болмас бәзимлерге бара бермейди, болатуғын балларда, билесизлер болатуғын баллар  бастан белгилиғо, билемен бәриңиздиң балларыңыз бар, бойдақлардан басқа, бойдақлардыңам басында бар, бойдақлар бара бара бийзар боласызлар, бойдақлықтан бийзар боласызлар, балалы босаңыз баладан бийзар боласыз, буны балалы болғанлар биледи, бизде билемиз, бизики былтыр босанған, бир бөпемиз бар баӯы берик болсын, бөпе болғансоң бесикке бөлеймиз, бизики бирақ биреӯ, биз бийшараға биреӯи болады, бесеӯ болса бәрин бағалмайманғо. Бәримиздиң балларымыз Беруний бабамыздай, Бердақ бабамыздай белгили болсын, билимли болсын, балларымыз бизлерденде бахытлырақ болсын. Быйыл бийғәрез бостанымыздың бийбаҳа байлықларының бири болған бийдайымыз берекетли бола берсин, билемен бийпул болмайдығо. Бирақ, берекетли бола берсин.

☝️Байрамда досларымызға жиберемиз.

Қурбанов Саламат
https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 13:42


Жаңа жыл ақшамында

Адамлар бир-бириниң таўып тилин,
Жүрегинен усынар мийрим гүлин,
Инсаныйлық сабағынан артар билим,
Жаңа жылдың әдиўли ақшамында.

Қуўаныштан төбемиз көкке тийип,
Алдымызға мақсетлер қойдық бийик,
Қызығы мол өмирди қалдық сүйип,
Жаңа жылдың пайызлы ақшамында.

Шаңарақта төрт көз түўел болды,
Тилек айттық жақынларға тутып қолды,
Дастурханлар бахыт асына толды,
Жаңа жылдың күтилген ақшамында.

Ана тәбиятты безеп аппақ қар,
Таралар әлемге тек жақсы хабар,
Инсан өмир атлы шын маржан табар,
Жаңа жылдың арзыўлы ақшамында.

Адамзатқа өшпес ығбал сыйлап,
Көкте сырлы жулдызлар күлди жайнап,
Шадлық шербетинен таттық сайлап,
Жаңа жылдың қайырлы ақшамында!

©Бахытлы Сарыбаев

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 13:34


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 13:00


Пиязлы маска арқалы бетти 10 жасқа жасартыўшы маска.

Пияз
Крахмал - 2 қасық
Алоэ гели - 1 шай қасық
Зайтун майы - 1 шай қасық
Витамин Е - 1 дана

Араластырып таза бетке сүртесиз. Нәтийжеси екинши қолланыўда билинеди.


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 12:59


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 12:57


Аяз баба балалықта соққанбыз,
Қол орнына узын ағаш тыққанбыз,
Ойнап болып ким биринши жыққанбыз,
Шадлық толы балалықтан шыққанбыз.

Ёлка болса мектепте я бақшада,
Аяз ата исенгенбиз жас бала,
Жийделерге шынжыр ойыншық тақса да,
Ёлка көрген балалықтан шыққанбыз.

Тақмақ ядлап айтқанымыз тақылдап,
Подаркиге шын қуўандық аңқылдап,
Маска тағып жылтыр кийим жарқылдап,
Шын қуўанған балалықтан шыққанбыз.

Байрамлардың түрлери көп өмирде,
Ал жаңа жыл шадлық сыйлар кеўилге,
Аяқлар суў, қайтпай шана тебиўге,
Тоңыў сезбес балалықтан шыққанбыз.

Жаңа жылдан жаңа жылға жеткеймиз,
Аўырыў-сырқаў иллетлерден өткеймиз,
Сағынамыз балалықтан өспеймиз,
Бала болып балалықтан шыққанбыз.

Жаңабай Анетеев.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 11:11


ЖУМАБЕК РЕЙМОВ

"СЕН БОЛМАСАН"

https://t.me/omir_sabaqlari

Сөз маржаны

31 Dec, 11:09


АЯЗ АТА

– Аяз ата келди. Баҳадыр.
– Қатырасыз-аў, бул Аяз ата емес, қәдимги адам ғой.
– Балам, ағаң жаңа жылда сени қуўансын – деп Аяз ата шақырды. Ол саўғалары менен келип тур.
– Саўғаны да ағамның өзи берген ғой. Мени соған исенеди деп ойладың ба, апа.
Еле бақшадағы улының бул гәплерине анасы уялып, не дерин билмей қалды. Келген Аяз ата болса есиктен кирерин де кирмесин де билмей тур.
– Кириң, Аяз ата – деген келиншектиң сөзлеринен соң ол ишке қәдем таслады.
Түрли қыяллар менен айтатуғын сөзлерин ишинен ядлап киятырған Аяз ата кип-кишкене баланың гәплеринен соң не қыларын билмей қалды.
Үлкен мийманханада үлкен шырша безелген. Ҳәр қыйлы реңлерге дөнип, шырақлары жанып тур. Үйдиң иши байрамға арнап жүдә сулыў етип безелепти. Аяз атаның, Қар қыздың ойыншығы да шыршаның қасында жүдә жарасымлы болып тур.
– Неге тура бересең, ағам берген саўғаны тапсырмайсаң ба?
– Ааа, балам, айтпақшы саўғалар бар, ҳәзир.
Ийнине асылған қоржынын ашыўға киристи.
– Ҳаў, қолғабыңызды шешиң, болың да тезирек.
– Аяз атаға әрманларың жазылған хат жоллап па едиң?
– Яғаў, ол баяғы заманда қалған нәрсе ғой.
– Онда не телефоныма смс жаздың ба?
– Өтирик Аяз атаның телефон номерин билмеймен. Болса, бер саўғамды.
– Дәслеп тақмақ, қосық айт. Кейин саўғаларыңды беремен.
– Мен не кишкене бала ма едим?
Анасы да Аяз ата да күлип жиберди.
– Кишкенесең ғой, балам.
– Яғаў, мектепке барайын деп турман.
Аяз ата бул бала менен қалай тил табысыўды билмеди. Қоржынынан пульт пенен жүретуғын машина менен самолётты алып, баланың қолына берди.
– Керек емес, булар. Әне, Алпамысқа бер–деп бесиктеги үкесин көрсетти.
Аяз ата келиншекке жалт қарады. Ол да баласының гәплеринен қысынып қалды.
– Ҳаў балам, Алпамыс еле кишкене, оған да ойыншықлар әкелген. Мына ойыншықларды ал, ағаңнан уят болады.
– Мен бәрқулла сизлердиң телефоныңызды жалынып, аламан. Маған ағам телефон саўға ететуғын шығар деп едим. Байрам байрамдай болмады. Ол ашыў менен Аяз атаның сақалын жулып, басындағы топпысын шешип, ылақтырды. Кип-кишкене баланың бул исинен қысынған Әлимбай сақалы менен топпысын алып, бул үйден шыққанша асықты. Изине қайтып, келиншекке күйеўи берген пулларды берди.
– Қой, бул сизиң хызметиңиз. Сонша ўақтыңыз кетти – деп еди.
– Яқ, пулыңыз керек емес – деди де сыртқа қарай асығып, шығып кетти.
Машинаға барғанша кишкене баланың гәплеринен қысынып, көзлерине жас келип, зорға жетти.
Ол үйине келгенше ойлады. Өзиниң балалығын еследи. Жаңа жыл келиўден қағаз алып Аяз атаға хат жазар еди. Азанда қараса көпшигиниң астындағы хат жоқ болады.
– Апа, түнде Аяз ата мениң хатымды алып кетти ме? – деп қуўанып оянар еди.
– Аўа, балам. Сен уйықлап атырған соң оятпады. Соннан жаңа жылдың келиўин күтеди. Жаңа жыл күни ерте азанда көпшигиниң қасында саўғасын көрип қуўанады. Көп нәрселерди жазған болса да ҳәр жылы тек бир саўға турады.
– Балам, Аяз ата сендей көп балаларға саўға тарқатыўы керек. Бәрине оның пулы жетпейди ғой – деп анасы баласын алжастырады. Исенген бала бул саўғадан да бос қалмағанына қуўанып, ойыншығы менен ойнап кетеди.
– Апа, Аяз атаның өзин қашан көремен?
– Көресең балам, үлкейип ал. Әлимбай тезирек үлкейип Аяз атаны көриўди әрман етип жасады.
Сол себепли ол быйыл балаларды қуўандырайын – деп Аяз ата болыўды нийет қылған еди. Және бир-еки сум пул табаман деп ойлады. Биринши ис күнин баслағаны сол, мине, усы жағдайға түсти.
– Бурын бизлер жүдә сада болыппыз. Ата-анамыз қурбы жеткен саўғасын әперсе, соған кеўлимиз толған. Ҳәзирги балаларды ҳеш нәрсе менен қызықтырып болмайды. Олар көзлерин ашыўдан бәрин телефон арқалы көрип отыр. Кишкенелердиң саналары раўажланып кеткен. Ата-аналары кишкене балаларға телефон бермеў керек. Өзлери де үйинде балалардың көзинше телефон пайдаланбаса еди-дә – Әлимбай өз қыяллары менен айқасып, үйине қарай кетип баратыр.

Арыўхан Турекеева

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 10:34


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 09:11


#Қутлықлаў

Қуўанышбаева Гүлайымнан жаңа жыл ушын қутлықлаў видеоролиги.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

31 Dec, 08:54


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 13:00


#Пайдалы_мәсләҳәт

Қара нан жеўдиң адам организмине қандай пайдалары бар?

Азыўға жəрдем береди;
Анемияни алдын алады;
Жүрек қан тамыр саламатлығы ушын жуўапкер;
Нервлерди тынышландырады;
Шашлардың мезгилсиз ағарып кетиўиниң алдын алады;
Ас сиңириўди жақсылайды;
Терини таза сақлаўға жəрдем береди.


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 13:00


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 11:43


#Ҳақыйқат

Өмирдеги сәтсизликлериңниң ең әҳмийетли себеби - "Мен ҳәммениң дыққат орайындаман. Ҳәмме мениң менен бәнт болыўы керек," деп ойлаўыңдадүр.

Билип қой, ҳәр кимниң өз тәшўиши бар. Сен ҳеш кимди қызықтырмайсаң!

Федор Достоевский


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 10:08


ЖОРАШЫЛЫҚ

Мəрт жигитке жора болсаң,
Өз мəпиңнен кешип бил,
Жораңда сен дара болсаң,
Гранит тасты кесип бил.

Ҳадал жора жалгыз болар,
Бирге батпақ кешетуғын,
Нəмəрт жигит жаўсыз болар,
Халқын сатып кететуғын.

Мəрт жигитке жора болсаң,
Жығылғанда сүйеп бил.
Ҳасы кетип шайтан бурса,
Бир муш берип тыйып бил.

Сол жораңның ҳүжданысаң,
Ар-намысың ол сениң,
Шын дослықтың  султанысаң,
Садықлық болса теңиң.

Турғанбай Қарлыбаев
10 октябрь 2005 ж.

*сәл ертелеўде, жаслаў ўақытта жазылған қосық еди әпиў етип қойың

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 09:13


...ҮЙ БОЛЫЎ ҚЫЙЫН...

Инсан дуньяға келгеннен кейин ата-ананың баўырында өседи тәрбия алады. Еси ақылын жыйнап ер жетеди балалар жигит қызлар бой жеткен қыз болады.
Халықта "Жаңа жигит болғаннан, Жаңа қыз болғаннан сақла""Жигит көзи менен қыз алма"деген  сөзлер бар ол жигитлерди қызларды жаманлаўдан оларға күлиўден аўлақ. Ертең үй болып  хожалық  болыўда алжаспаўын. Шаңарақты тең тартып бир-биреўин қолласытуғын жупты ҳалал қыйыншылықты тең жеңетуғын қостар табыўда алжаспаўы ушын ата-бабалардың кейинги әўладларға қалдырған нәсият сөзлери.
Шаңарақ қурып уй болғаннан кейин сол үйге енисип көнлигип кетиўиң керек бунда саған сени басына теңеп алып барған жигит ҳам сол жигиттиң анасы уйдиң ағзалары бәри қоллап қуўатласа тез уйренип кетиўиң аңсат болады. Келинде келинлик уазыйпасын ене енелик ўазыйпасын дурыс орынлаўы керек.
Мениң жеке пикирим - келин келгеннен кейин уйдиң тәртип қағыйдасын, қазан табақты керек болса майда-шүйдесине дейин ене қасында журип еринбей  үйретиўи керек ҳәм сол қағыйданы талап етиўи улгере алмай атырса жәрдем бериўи керек. Себеби оның менен бир жери кемип яки артып кетпейди. Ене келинге бир-еки балалы болғанша қарасса аржағын өзи алып кетеди. Бирақ барлық енелер барлық келинлерде бәри ойлағанымыздай деп айта алмайман. Бәрибирде қайын ене аналық етип мийримлилик етсе келинде керилмей енисип кетсе шаңарақ шайпалмайды.
Қыз бала уйинде уй-рузыгершилик жумысларын дастурхан жайыўды ,қонақ кутиўди, аухатты мазалы етип асыўды, жасы улкенди ҳурметлеўди жасы кишини  сыйлаўды әдепти өз уйинде уйренип келсе тез сиңисип, сол уйдиң бахытлы бийкесине айланады.
Ҳурметли енелер, келинлерге қатты да емес, боста емес, жанға жағымлы жумсақ қатнаста болайық.
Айнанайын келинлер, енелериңизди  анаңыздай  көриң. Сонда олар да сизлерди қызындай көреди.
Елшиликте  айбықәддем енелер де,  келинлер де ушырасады. Оларға қудай инсап берсин. Шаңарақ шайпалмасын Елде бахытлы шаңарақ көбейсин.

Абдиреймова Сара.
Нөкис қаласы

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 08:34


#Түски_ҳәзил

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 08:03


#Нәсият

 УЛЫМА НӘСИЯТЫМ

Жигиттиң  еки сөйлегени - өлгени. Ўәде бермеўге тырыс. Ўәде бердиң бе, сөзиңде тур.

Қысқа, нусқа сөйле. Даўсың анық болсын.

Көп тыңла. Аз сөйле. Сөзиңниң артынан исиң менен  үлгериўге жаныңды қыйна.

Өсек айтылатуғын жерде отырма.

Тас пенен урғанды ас пенен сыйла - жеңисиң сол болады.  Соннан кейин алыс жүр.

Биреўди өкпелетпе! Жүйели ғарғыс ийесин табады.

Ҳеш қашан мақтанба! Журт мақтасын.

Өзиңди
сыйла, Өзгелер сыйласын.

Күнде өзиңе есап бер. Өзиңди тәрбиялай бер.

Қумар ойын - ҳәлсиздиң талабы.  Мықлы жигиттиң руўхы жоқары,  денеси сергек болады.

  Сыйлағанның қулы бол. Ол киширейиў төменлеў емес.

Ең алды менен өзиңе өзиңниң кеўлиң толатуғындай өмир сүр.

Қайтарыўын үмит ететуғын  болсаң, жақсылық ислеме.

Жүйкең еле талай мәрте керек болады. Болмасқа ашыўланба!   Шешиўши жағдайға таярла.

Ўайымға салыныўдан алшақ бол. Арба да сынбайтуғын, өгиз де өлмейтуғын шешим қабылла. Тез шешимге кел. Тәўекел түби жел қайық - жүзесең де өтесең. Ўайым түби туңғыйық батасаң да кетесең.

Сырыңды ҳешкимге алдыртпа. Еки ели аўзыңа сыймаған сөз, өзгениң отыз еки тисиниң арасына  сыймайды.

Өкпелеме. Өш алма. Санасына бер. Аллаға тапсыр!

Қыран қустай қырағы бол. Өзгелерди өзиңдей көрме!

Бендениң бендеден айырмашылығы адамгершилиги менен билиминде. Билим ал, оқы!

Өмириңниң сапасына тек өзиң  жуўапкерсең!

Урпақ тәрбиясы елиў пайыз сениң мойныңда. Улың өзиңнен озатуғын болсын. Қызың саған қарап өмирлик жолдасын таўып бахытлы болсын.

Ким қанша төмен түссе де, сен өз мәртебеңде қал.

Баўыржан Момышулы

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 07:33


ҚАРАҚАЛПАҚТА

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 06:47


ЖАРАСАЙЫҚ, СҮЙИКЛИМ!

Арқаңды қаратып, бетиңди бурып,
Қаяққа барасаң жолдасың турып?
Ортаға балларды данекер етип
Жарасайык, кел сүйиклим, бир күлип.

Өкпе, гийне билсең жаман нәтийже,
Қырық күнге қырқылар үйде несийбе.
Сәл нарсеге аразламай, ақыл бол,
Ашыўды умытып, жаныма келсе...

Сениң менен көп қызықлар алдымда
Қапашылық бәри артта қалсын-дә!
Перзентлердиң келешегин ойласақ
Ашыў емес, мәзи ҳәзил болсын-дә...

Ҳәй, сүйиклим, қапа болыў жоғынан,
Ўәде берип, мен келейин ҳағынан.
Шанараққа биз берекет тилейик,
Шүкир етип перзентлердиң барыннан...

Бабаназаров Муратбай.
27.12.2024-ж

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 05:58


#Рәўият

ТЫРНАҚТЫ НЕ УШЫН ТЕЗ-ТЕЗ АЛАМЫЗ?

Қарақалпақ халқы дәстүри бойынша нәрестени қырқынан шығарыў ўақтында оның тырнағы менен шашын алады. Буны көбинесе көркем минезли жақсы адамға ислетеди. Мусылманшылықта Иблистиң адам денесинде дәрет сындыратуғын жери - тырнақ асты деп айтылады.
Адамның тырнағы алынбай асты кирге толса, Иблис сондай патас жерди аңлып жүреди екен. Халық арасында майда-шүйде өсек сөзлерди айтып жүретуғын адамларды "тырнақ астынан кир излейди" деп атаў соннан қалыпты.
Адам өлип, мәйити гөрге қойылған соң, қәбир азабы оның тырнағының астынан басланады. Сонлықтан мусылман халқы тырнақты өсирмей, тез-тез алып туратуғын болыпты.
Тырнақты таза услаў ийманлылықтың белгиси ретинде саналады.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 04:39


#Даналық_сөзлер

Барлық адамға мийрим менен, ҳүрмет пенен қараўға ҳәрекет ет, ҳәтте саған жалған қатнас көрсеткенлерге де сыйласықлы бол.

Олардың сыйлаўға туратуғын адам болғаны ушын емес, сен сыйлаўға туратуғын адам болғаның ушын...

Конфуций

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 03:47


БАЛАЛЫ ҮЙ - БАЗАР

Шийрин апа лицейде шет тилинен сабақ береди. Өз қәнигелигине қызығыўшылығы бәлент болғанлықтан, сабақтан тыс ўақытлары қосымша оқыўшы таярлайды. Еки қызы турмысқа шығып кеткен. Баласы түспегир Дамир оқып жүрип үйленди. Келиншеги Гүлбану да мединституттың үшинши курсында оқыйды екен. Қудайға шүкир, келини жаман емес. Ондай қызды тәрбиялаған ата-анасына мың рахмет дейсең. Тек ертең өзи қыйналып қалады, дейсең дә. Болмаса жақсылықтың ертерек болғаны жақсы ғой. Дамир оқыў питкерип келгеннен кейин мектепке әскерий жетекшилик хызметке орналасты. Ал Гүлбану төртинши курста оқып жүрип балалы болды. Келеси жылы және егизекли болды. Үш бала менен оқыўды қалдырмаў ушын балаларды бағыўға жәрдемлесетуғын еки адам жаллады. Әйтеўир еплеп жүрип оқыўын питкерди-аў. Бюджет тийкарында оқығаннан кейин Гүлбану сол жылы район емлеўханасына жумысқа қабылланды. Балалар бөлиминиң шыпакери. Алдынлары тым-тырыс, тап-туйнақтай болып туратуғын Шийрин апаның үйи енди бала бағшаның өзи болды да қалды. Шашылып атырған ойыншықлар, қатара жайыўлы турған майда кийимлер. "Балалы үй - базар" деп усыны айтқан екен ғой бурынғылар.
Шийрин апа бул тирликке де үйренисе баслады. Үлкен ақлығы Шарапат тынышлаў еди, ал, мына кишкентай егизеги Шыңғыс пенен Қундыз жерге урсаң аспанға шапшыйтуғын шоқ балалар болды.
Егизеклер еки жасқа толғаннан кейин үйлерине жақынлаў жердеги жеке меншик бағшаға берди. Азанда оларды оятып, аўқатландырып, кийиндириў - дүньяның азабы. Бир емес, еки емес, енди үш бала ғой. Бала менен келин жумысларына асығады. Ақлықларын бағшаға апарып болып барайын деп, Шийрин апа сабақларын кейинлеўге қойғызды.
Қанша тәртип-тәрбия берсең де баланың аты - бала. Өзлери азанда тура қоймайды. Оннан қалса, тап асығыс ўақытта "Боранлы күни б.. қыстайды," дегендей, горшокқа отырғысы келип қалатынын айтпайсаң ба?!
- Ертең лицейде олимпиада болады, апа, сиз комиссия ағзасыз. Иләжы болса ертерек келерсиз,- деп еди кеше завуч қыз.
Келин азанда бес минутлық мәжилиске асығады. Мына ақлықларды бағшасына тапсырып кетпесе болмайды. Үш баланы апыл-ғупыл кийиндирип бола бергенде, Шарапат:
- Апа, горшокқа отыраман,- деп қалды. Жуўырып барып горшогын әкелип отырғызып бола бергенде, Шыңғыс па:
- Апа, т... келип тур... - деди. Күйип кеткен Шийрин апа оны да горшогына отырғызды. Шарапаттики жеңиллеў ме десе, яқ үлкени екен. Соның арасынша Қундыз далаға кетип қалды.
- Ўай-ўай, көшеге шықпа! Жолда машина көп! - деп Шийрин апа оның изинен жуўырды. Қолынан жетеклеп әкелип, Қундызды коридорға турғызып қойса, Шарапат горшоктан турып кеткен. Оның дәретин төгиў ушын сыртқа алып кетти. Енди киятырса, Қундыздики қыстап қалды.
- Үўҳ! Енди жетпей турғаны сен едиң! Жүр, бағшаңа барып шығасаң! - десе қырсық Қундыз жүрмеди. Шыңғысты орнынан турғызып алып кийиндирип, Қундызды арқалап, еки баланы жетеклеп, бағшаға жеткенше асықты. Оларды бағшаның есигинен киргизе сала жумысқа асықты Шийрин апа.
"Ҳәй, булар қашан өзлерин-өзлери еплеп кетер екен? Тезирек пенсияға шыға қойсам жақсы болар еди-аў! Болмаса, мына жүрисимиз болмайды,- деп ойланып киятыр Шийрин апа.
Лицей алдында завуч қыз күтип турған екен.
- Апа, кешиктиңиз ғой. Сизиң оқыўшылар күтип отыр. Басқалар баслап жиберди,- деди ескертиў есабында әсте сөйлеп. Оған Шийрин апа не десин?!.
Дәрҳал кабинетине кирип, сырт кийимин шешти де жумысына кирисип кетти.

Кешки саат бестен өте балаларды бағшадан алып қайтты. Келе сала олар да ишкен-жегенин төккиси келип атыр. Горшокларды излесе биреўи кемис. Үйдиң ишин қарады, сыртын қарады, бөлмелерди көрип шықты, ҳеш жерде жоқ! Еки горшокта екеўи отыр. Шыңғыстики жоқ. Ақыры Шыңғысты Қундыздикине отырғызды.
Келини бүгин кешки нәўбетшиликке баратын гезеги еди. Аштан-аш кетпей, бирдеңе жеп кетеғойсын деп, жеңил-желпи аўқат ислеп жибериў ушын қазанға асылды.
Музлатқышты ашып жиберсе... жағымсыз ийис шығады. Қараса...
...Горшок ишиндеги "байлығы" менен музлатқышта тур!

(Ўақыя өмирден алып жазылды)

Қуўанышбаева Гүлайым

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 03:05


ЖАСА

Өмирде гөзлеген мәрреден асып,
Кеўилиң шад болып дәрьядай тасып.
Душпанды жер қылып аяққа басып,
Шадлы дәўран сүрип күлимлеп жаса.

Алдыңа қойылған мақсеттен қайтпай,
Биреўди жаманлап өсек сөз айтпай.
Ҳеш кимге өзиңниң жүгиңди артпай,
Өзиңди өзгеге сүйдирип жаса.

Қуяш яңлы әлемге нур таратып,
Өзгелерди ҳәўес пенен қаратып.
Илим қуўып жаңалықлар жаратып,
Өзгеге пайдаңды тийдирип жаса.

Өзгегиң ярына қасыңды қақпай,
Некесиз жейранның қасында жатпай,
Бес күнлик өмирде гүнәға батпай,
Өзиңди асырап абайлап жаса.

Қолларды көтерип дуўаға жайып,
Ғарры болып отырайық шалқайып,
Ақлық ҳәмде шаўлық сүйип қартайып,
Қәддиңди бүкпестен жигиттей жаса.

Аңсатбай Қаражанов

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

28 Dec, 02:40


"ЖАҒАЛАДЫМ"
Мырзагүл Төлегенова

https://t.me/ibratli_sozler

Сөз маржаны

28 Dec, 02:00


АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ӘЗИЗЛЕРИМ!

     Рәббимниң мәрҳаматы менен берилген тағы бир жаңа күн бәршемизге мүбәрек болсын!

    Алла ҳәр бириңиздиң
Кеўлиңизден қәтержамлықты,
Жүзиңизден күлкини,
Шаңарағыңыздан берекетти,
Қалтаңыздан дәраматты,
Қәлбиңизден ийманды,
Тәниңизден саламатлықты,
Жүрегиңизден меҳирди,
Баўырыңыздан ақыбетти
ҳеш қашан айырмасын!

    ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

27 Dec, 17:02


#ҚАЙЫРЛЫ_ТҮН!
  💫 Өмирде көплеген қәтелерге жол қойып - қәдирли инсанларымызды жойтамыз...

💫 Басқаларға жараныўға ҳәрекет етемиз - бирақ, өз жақынларымыздан қашамыз...

💫 Арзымайтуғын инсанларды көклерге көтеремизде - өзимизге садық инсанларға пәнт беремиз...

💫 Бизди қәдирлеген инсанларды қапа қыламыз да - бирақ өзимиз олардың кеширим сораўын күтемиз...
Оларға ҳәзир ақ қайырлы түн тилеп, кеширим сораң!

Бәршеге қайырлы түн, таңда дийдар несип сәўбетлескенше хош саў саламат болың.
Түниңиздиң тынышлығын берсин, шийрин түслер көриң.


ТҮНИҢИЗ
      ҚӘТЕРЖАМ,
          ТЫНЫШ
               ӨТСИН
                  ӘЗИЗЛЕРИМ!



ЖАНА 2025 ЖЫЛДЫ ЖАКСЫ КУТИП АЛЫН ...... БАРШЕНИЗДИН ШАНАРАГЫНЫЗГА АУЫЗБИРШИЛИК МОЛ ТАБЫС,ДЕН САУЛЫК ТИЛЕП КАЛЫУШЫ
ХАПИЗОВ К

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

27 Dec, 16:56


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

27 Dec, 16:48


АДАМЗАТ

Адам-адам болғалы,
Қолына қурал алғалы,
Жақсылық пенен жаманлық,
Билгирлик пенен наданлық,
Бир-бирине болып жаў,
Үзилмеди, жәнжел-даў.
Қутырған соң жаманлық,
Болмады ҳеш аманлық:
Дәўлет ушын, бақ ушын,
Ҳәмел ушын, тахт ушын,
Ийтлик етип қыймаға,
Сыймағандай дүньяға,
Артық-аспай жер ушын,
Байлық ушын, ел ушын,
Болар-болмас мин ушын,
Дәстүр ушын, дин ушын,
Өгиз болып сүзисти,
Қораз болып жулысты,
Түлки болып өбисти,
Жылқы болып тебисти,
Арысландай айқасты,
Айыўлардай шайқасты,
Бир-бирине от басты,
Жылан болып уў шашты,
Асаўлардай туўласты,
Сағаллардай шуўласты,
Бир тынбады удайы,
Ғарғағандай қудайы,
Ҳеш ким аман қалмады,
Барлығын жер жалмады,
Әй, адамзат, адамзат,
Жасасаңшы парахат,
Билмедиң бе еле сен,
Урыспай-ақ өлесең.

              1968-жыл
Тилеўберген Жумамуратов

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

27 Dec, 16:46


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

27 Dec, 16:19


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

30 Nov, 10:40


ЖАРАЛЫ ЖҮРЕК
(даўамы)

-Сен қыз не деп отырсаң өзи. Ҳасла ол жигиттиң атын айта көрме! Еситтиң бе, мен сени оған бермеймен. Албина анасынан усындай гәплерди еситти. Ол бул гәплерди, анасының буларға қарсы екенин Әлибекке көпке шекем айта алмады. Қыз еки оттың ортасында қалған еди. Сонда да ол бәри жақсы тәрепке өзгериўине үмит етип дасай берди. Деген менен қатал тәғдир буларға қарсы тис қайраған жыртқыштай ҳүжимге өте баслады. Неликтендур еки жастың ортасында кишигирим қарама-қарсылықлар пайда бола баслады. Бул барысында ортадағы мухаббат жолы айралық атаўына алып барыўы сөзсиз еди. Сол арада Әлибек ҳаққында ел аўзында түрли әңгимелер пайда бола баслады. Бул әлбетте Албинаның анасына қол келди. Көрдиң бе, мен бир затты сезбесем, билмесем айтпайман, -деди оқыўдан келген қызына бир күни. Усындай түрли гәп-сөзлерден кейин Албина да Әлибекке гүман менен қарай баслады. Ақыр ақыбет екеўиниң жолы айра түсетуғын күн жетип келди. Әлибекти ағалап изине ерип жүрген қосықшы инилериниң бири Азамат қолайын таўып қызға жигитти жаман атлы көрсетип, жағыныўға ҳәрекет ете баслады. Және бул жигит Албинаның бир жеңгесиниң иниси болып шықты. Қулласы қыздың анасы Азаматтан келген жаўшыларға қызын бериўди уйғарды. Азамат болса оқыўдан қайтып киятырған қызды бас салып алды да қашты. Албина не болып атырғанын сезбей қалды...

*
Соңғы сөз орнында

Арадан еки жыл өткен соң Азаматтың үйиндегилер ағайин-туўғаннан қарыз алып, еплеп той берип келининиң бетин ашты. Азамат интернет арқалы пуллы ойын ойнап үлкен муғдардағы қарызға кирип кеткен. Ол қарыздан қутылыў ушын буннан бираз алдын бир жерге урлыққа түскен еди. Қыңыр истиң қыйығы қырық жылданнан соң шығады дегендей, Азаматтың бул ислери көпке бармады. Тойға келген Әлибек үлкен муғдардағы ақшаны тойға тояна етти. Ол болып атырған ўақыялардан хабардар еди. Аэропортқа айда деди ол бираз отырған соң машинада. Солай етип ол шет елге бир өмирге кетип қалды. Ал, Азаматты болса той тамамланыўы менен ишки ислер бөлими хызметкерлери алып кетти...
Тамам!

Әбдирахман Қойлыбаев
@zergerqosiqlari

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 10:29


ЖАРАЛЫ ЖҮРЕК
(даўамы)
Олардың танысыўы жүдә қызық болған еди. Әлибек бир үлкен таңлаўда төреши болды. Сол таңлаўға жоқары оқыў орнында оқып жүрген Албина исимли қыз да қатнасты. Таңлаўға ҳәрким өзинше таярланып, былай қарағанда қатнасыўшылар бир-биринен қалыспайтуғын еди. Бирақ, көпшиликтиң ишинен усы Албинаның жоқары лапызы бәршени бирдей таңландырды. Қыз қосық айтып болған ўақытта Әлибек орнынан түргелип кетиўине сәл қалды. Ол бул талант ийесине сүйсине қарап турды. Сол ўақытта оның артынан келип, -Ақсақал сәлем айтып жиберди, қарындасымыз орын алыўы тийис, -деген сөз буның қыялын бузып жиберди. Қайсы ақсақал? Қарындасы ким екен?, - тагланып турды Әлибек. Жаңағы даўыс бир жөтелип аллы да, енди шығады, -деп сыбырлады. Не деп жуўап бериўди билмеген жигит, көрермид деди де қойды. "Ақсақалдың қарындасы" сахнаға шығып келип, ол да қосық айта баслады. Бул қатнасыўшы қосық айтып атырып еки жерде қәтеликке жол қойды. Буны басқалар сезбегени менен жүреги нама таңлап билетуғын,тыңлап билетуғын Әлибек дәрҳәл сезди. Ол әсте басын шайқап қоя берди. Узақ тарыслардан соң төрешилер Албинаға биринши орынды берди. "Ақсақалдың қарындасы" жеңилиске ушырады. Әлбетте бүгинги қарар төрешилерге қымбатқа түсери анық еди, сондай болды да. Бирақ, бир жас талант ийесине айдын жол ашылған еди. Албина ел арасында таныла баслады. Буған Әлибектиң көмеги себепши болды. Булардың жулдызлары бир-бирине жарасып, ортада муҳаббат жалыны лаўлап жана баслады. Олар бир-бирине жипсиз байланып қалған еди десек қәтелеспеген боламыз. Сол жүристе арадан бир қанша ўақыт өтти...
Әлибек бир күни қыздың үйине адам жибермекши болды. Буны қызға айтқанда, қыз қуўанңаны менен ишинде әлле бир қорқыныш бар еди. Ол ой қыялларын жигитке билдиргиси келмеди. Бирақ, ҳәр бир затқа үлкен итибар менен қарайтуғын Әлибек буны сезди. Қызды қысындырмайын деди ме, оншелли сорастыра бермеди. Ата-анасының үйленбейсең бе деген сораўына жақында деп жуўап берди. Ол жай-жағдайды үйиндегилерге бир бастан айтып берди. Буны еситкен Әлибектиң анасы қатты қуўанды. Сүўрети бар ма?, - деп сорап қаллы байғус ана. Әлибек дәслеп қысынды, кейин өмиринде сыр жасырып көрмеген жигит қыздың сүўретин ата-анасына көрсетти. Сүўретти көрген бийшара ананың неликтендур жүрегин бир силкинип түсти. Солай болса да, байғус ана қуўанғанынан тойдың ҳәрекетине түсти. Отырса да турса да ғаррысына тойды ойласайық дейтуғын болды. Тойға кимлерге айтыўын, кимниң үйине қандай қонақ жибериўге шекем сөйлеп отырады ол.
Ал бул пайытқа келип Албинада анасына Әлибек ҳаққында айтып атыр еди...
(даўамы бар)
Әбдирахман Зергер

Сөз маржаны

30 Nov, 10:28


ЖАРАЛЫ ЖҮРЕК

Дүнья түрли тәғдирлерге толы. Адамзаттың басынан өткени тек ғана өзине аян. Базда басымыздан сондай саўдалар кешеди, оны биреўге айтып абырой ала алмайсаң. Адамларға айтқаның менен олар исенбейди. Өмир жолы кең аспандай бир тегис емес, тәғдир сынаўлары теңиз суўындай тынық емес. Өмир асаў дәрьядай бурқасынлап ағып өтеди дә, алдынан шыққан әззилерди күшиниң барынша ылақтырып жибереди. Кисини гәп етиў, биреўге ақыл бериў жүдә аңсат. Ал, адамға адамның жәрдем бериўи мүшкил иске айланған бул заманда. Базда сондай ислерге дусласамыз. Ондай жағдайда ҳешким сизге жәрдем ете алмайды. Биреўдиң жәрдемин, берген ақылын қабыл ете алмайсыз.

*
Қала ортасындағы жайласқан пайызлы орынлардың биринде еки жастың бахыт тойы болып атыр. Өәмме қуўанышлы, көргенлер буларға ҳәўес етеди. Келиншектиң гүлдей жайнаған жүзлери, жигиттиң көзлериндеги жалын бәршениң дыққатын тартады. Бәри оз орны менен даўам етер еди. Бир ўақытлары көзине қара көзәйнек таққан, бастан аяқ қара кийим кийинген жасы отызлар әтирапындағы бир жигит тойханаға үлкен бир букет гүл менен кирип келди. Бул жигит туўры келин-кийеўдиң алдына жүрип барар еди. Ол алдынан шыққан ҳеш нәрсеге итибар бермес, биз мынажақта отырмыз деген базы танысларына қарамас еди. Оны көзлери тек ғана тойхана төриндеги еки жасты көрер еди. Ол сол жүристе жас жубайлардың алдына барды. Қолындағы гүлди келиншекке усынды да, кийеў баланың қолларынан беккем қысып, әсте ғана қушақлап қулағына әлле нелерди сыбырлады да келиншекке күлип қарады ҳәм қоллары менен бир затларды ымлағандай болды. Келиншекте бул жигитке үш мәрте ийилип сәлем берди. Естелик ушын сүўретке түскеннен кейин бийтаныс мийман тойхана есиги таман ҳәрекетленер еди. Бул бийтаныс мийман дегенимиз еки ийнинде еки адам отыратуғындай, айтқанынан қайтпайтуғын бир сөзли Алибек деген жигит. Оның кеўилге қонымлы қосықлары көпшиликке унап, ел арасында өз ықласбентлерине ийе. Алибектиң бүгинги тойға келгени көпшиликти таңландырмағаны менен, оның қосық айтпастан тек ғана еки жасты қутлықлап кетип баратырғаны көпшиликти таңландырғаны рас. Ол есик алдына барғанда бир топар жаслар қосықшыны иркти, базылар оннан жанлы ҳаўазда бир қосық атқарып бериўин өтине баслады. Ол болса әлленелерди сылтаў етип, сыртқа шығып буны күтип турған машина таман жол алды. Кетип баратырып қалтасынан сигарет қутысын алып, оннан бир данасын шеге баслады. Оны гүзетип турған адамлардың айтқан сөзлери қулағына еситилип турар еди.
- Айттым ғой саған, бул тойға келмеўиң керек еди, -деди оның изинен келген, бир қатар намалы қосықлардың авторы Салийма.
-Келмесем болмас еди, көрдиң бе олардың қандай бахытлы екенлигин. Мен оларды бахытлы көриў ушын келдим бул тойға. Машинаға отырып атырып сөйленди Әлибек. Оның көзлеринен аққан көз жаслары ийегине қарай сорғалар еди. Салийма оған аяныш көзлери менен бағып жанындағы орынлыққа отырды. Жигит узақ ойға батып үндемей қалды. Қызда оған кесент етпеў ушын тым-тырс болып қалды...

(даўамы бар)
Әбдирахман Зергер.
@zergerqosiqlari

Сөз маржаны

30 Nov, 09:47


#күн_ҳикмети

🙄 Өзлигиңди еки нәрсе белгилеп береди:

– Ҳеш нәрсең жоқ болғандағы сабырың.
– Ҳәмме нәрсең бар болғандағы
(олардан) пайдаланыўың.

📖 "Ҳикметлер – саадатқа жетеклер" китабынан.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 09:45


Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күнниң 35 жыллығы Ташкент қаласында салтанатлы жағдайда белгиленди. Сол кешеде Дослық"ордени ийеси, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, Өзбекстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы, белгили шайыр ҳәм журналист Гүлнара Нурлепесова  шығып сөйлеп,  өзиниң "Ана тилиме"атлы қосығын оқып берди.

Бәршеңизди Қарақалпақ тили байрамы менен шын жүректен
қутлықлаймыз!

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 09:02


👤 Shıraz Nuratdinov
🎵 Perishtem anam


https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 07:03


#Әжайып_нама

Аяпберген Өтегеновтан әжайып нама.

Жүреклерде Ўатанға муҳаббат, оны ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, гүллендириўге деген сүйиспеншилик, аўызбиршилик, тынышлыққа-татыўлыққа умтылыў сыяқлы жоқары инсаныйлық пазыйлетлер мәңги жасасын.


https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 06:44


#Архив_дереклеринен

📜Бир өтирикши болыпты, ол өз сөзин өлшемей айтабереди екен. Адамлар инанбаса, көз көреки кем-кемнен пасине қайтыўға да қысынбайды екен.
- Кеше мәш атызда мың шағал көрдим, - депти ол бир күни адамларға.
- Ой қой-а, сондай да мың шағал болыппа?
- Аўа, өз көзим менен көрдим, ақыры.
- Мүмкин емес.
- Инанбайсаңба? Ең болмағанда жүз шағал бар.
- Ол да мүмкин емес. Өзи қурттай гүлше атызға жүз шағал сиятуғынба еди?
- Ал енди барғой, қапылғанда он шағал бар.
- Өзи мәш атыз, он шағал бирден жийналып келип не жейтуғын еди онда?
- Он болсын, биреў болсын, қулласы, мениң көргеним шағал.
- Мен саған айтайын, - депти тыңлаўшылардың биреўи, - бул қарағанда ҳеш шағал болмайды.
- Қайдан билейин, мәш атыз қатты шытырлап еди, - депти ең кейнинде жаңағы өтирикши.

"Өтирикши шегиниўден қайтпас" деген усы. Биреў орынсыз сөйлеп баратырса адамлардың: "Мәш атызда мың шағал көрдим" дегендей, сенде айттың-аў" дейтуғыны да усындайдан қалған болса керек.

Халық аўзынан жыйналған дереклер.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 06:07


ГЕЙДЕ ҮНСИЗ ҚАЛҒАН АБЗАЛ

Жүргениңше жаман менен жаман болып,
Турсадағы ишиң айтар гәпке толып,
Салып ақыл тәрезиңе, алдың шолып,
Дым сөйлемей гейде үнсиз қалған абзал.

Тили менен шағып алып тықса бизин,
Есиң болса қуўма ҳәргиз гәптиң изин,
Қайтама дағда қалдырып оның өзин,
Сабыр сақлап гейде үнсиз қалған абзал.

“Бағдан келсең, келер надан таўдан” анық,
Бети бүлк етпестен айбарақты салып,
Кимниң, ким екенин, айырады халық,
Күйип- писпей гейде үнсиз қалған абзал.

“Сөз сүйектен өтседағы таяқ еттен”,
Адамшылық шегарадан шығып кетпең,
Не қыласаң, минези сол болса питкен,
Қаш, жаманнан! гейде үнсиз қалған абзал.

“Ашыў араз, ақылды дос” дейди халқым,
Ел алдында болыў ушын жүзиң жарқын,
Дуйым журтты қаратып, қылмай шаўқым
Ең мақулы, гейде үнсиз қалған абзал.

Ақшолпан Аманияз 29.11.2024 жыл

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 05:57


ИБРАТ...

• Бир ғана терек, қалың тоғайды баслап бериўи мүмкин.
• Бир ғана кеширим, байланысларды қайта байлаўы мүмкин.
• Бир ғана шийрин сөз, сынық кеўиллерди шад етиўи мүмкин.
• Бир ғана күле шырай, жаманлықларды жоқ етиўи мүмкин.
• Бир ғана үзир, өкпели қәлблерди жумсатыўы мүмкин.
• Бир ғана сәлем, өз ара муҳаббат оятыўы мүмкин.
• Бир ғана үмит, жоқары жетискенликлерге жетелеўи мүмкин.
• Бир ғана жым турыў, мыңлап кеўилсизликтиң алдын алыўы мүмкин.
• Бир ғана жақсылық, Жәннетке алып кириўи мүмки
н.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 02:41


ҚОҢСЫ ҲАҚҚЫНДА ДАНАЛЫҚЛАР
👶👦👧👨👩👱‍♀👱👴👵
Қоңсы-қоңсыдан тәлим алады.
* * *
Қыямет күни қоңсыдан...
*
* *
Жақсы қоңсыны сатып ал
* * *
Гилем сатсаң қоңсыңа сат,
Бир шетинде өзиң отырасаң.
*
* *
Алыстағы әғайиннен,
Жақындпғы қоңсы артық.
* * *
Қоңсы-қоба көргенше...
Жора-жолдас жүргенше,
Ағайин-туўған өлгенше...
... ... ...
*
* *
Өзиңе-өзиң бек бол,
Қоңсыңды уры тутпа.
* * *
Отты қозғама өширерсең,
Қоңсыны геўлеме көширерсең.
*
* *
Кеўлин бил де,
Қоңсы бол.
* * *

Қоңсың бар жерде қорықпа,
Ақыл-кеңестен тарықпа.
*
* *
Қоңсың жаман болса, қәдириң болмас,
Қоңсың жақсы болса, алысың болмас.
* * *
Жақсы қоңсы қәдириңди арттырар,
Жаман қоңсы жайыңды да саттырар.
*
* *
Уримхан Тажимуратова У.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 02:32


#Retro #Arxiv

🎵 Gulnaz Utepova - Aydinlar

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

30 Nov, 01:49


Қайырлы таң !!

Ашылған бағларда бүлбил сайраса.
Жигит қызлар ҳәзиллесип ойнаса.
Бәршеге мүбәрек атқан таңымыз.
Сәлем берип жүзлеримиз жайнаса.

Ассалаўма әлейкум.Әзизлерим!!

Атқан таң мүбәрек болсын.Күн даўамында хош кейпият йош илҳам тәрк етпесин.

Биз бенен бирге болың.☺️😘💐💐

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

29 Nov, 17:01


Әзизлерим !Қайырлы ақшам !!

Күнимиз де өтипти сәўбетлес болып.
Пикирлер билдирип темалар оқып.
Бәршеңизге миннетдарман досларым.
Күлип көрисейик таңда биз турып.

Бүгинги күн ушын да сизлерге алғысымды билдирмекшимен.

Жақсы пикир ҳәм жыллы сөзлериңиз ,ақыл нәсиятларыңыз ушын кеўлим толды.

Бизде сизиң кеўлиңизге шадлық,қуўаныш бере алдықпа??

Қайырлы түн !!

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

29 Nov, 15:57


#Даналық_сөзлер

📜Аўыр тас жерден мың азап пенен көтерип алынады. Оны таслап жибериў болса жүдә аңсат. Өсип, мәртебеге ерисиў тап сондай тас көтериўге усайды. Ал мәртебеден түсиў болса тасты таслап жибергендей бир жағдай.

Халық даналығынан


https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

29 Nov, 13:35


#Premyera

🎵 Timur Karashaev - Ana

httpss://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

29 Nov, 13:28


Билесиз бе?

Сынлы пикирлеў ўақтында итибар берилиўи лазым болған ең басланғыш нәрсе-бул сәўбетлес сөзлериниң дүзилисине итибар бериўден ибарат.
Егер сәўбетлес сөйлесип атырғанда "мениңше", "бәлким", "нәзеримде" сыяқлы сөзлерди қолланса,демек,бул мәлимлеме онша исенимли емес,оны тексериў лазым.
Бул сыяқлы жағдайда сораў берип,мәлимлемеге анықлық киргизиў зәрүр.
Сынлы пикирлеў- бул барлық нәрсени сынға алыў дегени емес.
Бул бизге киятырған мағлыўматларды талқылаў,оны гүман астына алып,тийкарларды тексериў ҳәм әлбетте жағдайды еркин баҳалап,қарар шығарыў.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

29 Nov, 13:00


Есте сақлаўды жақсылаў ушын, мийдиң қан тамырларын тазалаў ушын, қан басымын нормалластырыў ушын

Рецепт:
• 1 дана лимон ( қабығы менен );
• 1 бас чеснок;
• 1 ас қасық пал;
• 1 литр ыссы, қайнатылған суў;

Ҳәммесин майдалап жақсылап араластырың ҳәм ыдысқа салып 3 күн қойың.
Шиша ыдысқа салынып, музлатқышта сақланады.

Таяр болған араласпаны аўқаттан кейин күнине 3 мезгил ишиң.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

29 Nov, 12:59


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

23 Nov, 17:00


Қайырлы ақшам.!

Гүзги аяз шымшылайды денемди.
Бүгин күним қуўанышқа бөленди.
Кеўлиңизге жақса егер сәўбетлер.
Қуяшым нурланар атып ертеңги.

Әзизлерим !
Әжайып пикир ҳәм сәўбетлер менен бүгинги күнимизди биргеликте өтирдик.

Шаңарағыңызға аманлық тилеймен.
Таңда көрисиў несийп етсин.

Қайырлы түн.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 15:15


КАДЕЛЕР..

Тууган елде болып ,бир ай ишинде..
Ериксиз жас келди еки козиме ..
Бул не деген инсапсызлык дийинбе.??
Халыкты куйдирген пан -пан каделер..

Келин алып кууанганда шанарак..
Тууысхан аз болса ,,каларсан сорлап..
Куданын -кадесин , еситип жылап..
Кридить излеткен сорлы каделер..

Улын турса кара жерди тепсинип..
Катарымнан кем болдым - деп оксинип..
Процентке акша излеп себилип..
Шанаракты тоз - тоз еткен каделер..

Кудалар жетпис ,сексен болып келеди..
Шуберек устинде бет жыртысып кетеди..
Бул бес кунлик дуняда , солма екен керекги..
Журекти аурыу еткен арсыз каделер..

Кызлардын бахасы аспанга ушкан..
Карык емес кыз берген,,уу - захар жуткан..
Бул исти токтатар барма , бир инсан..
Азапка дуушар еткен азаплы каделер..

Кыз дунясын карызланып жыйнаса..
Апарып бергенде тусирип алмаса..
Жук тусириуге ,,бир миллион ,,пул сораса..
Кийеу жораларга кул болган каделер..

Айланыуга шыкса,,кыз бенен жигит..
Сатып алар бас машынды кыз тареп..
Акша жеткизе алмай,ата анасы халек..
Сергизданга салган уятсыз каделер..

,,Гулянка,,шыгынын кыз женгеси котерер..
Намыска тырысып ,,шыгынын толер..
Бийкешин тойханага киргизбей куйдирер..
Кыз узаткан уйди сорлаткан каделер..

,Кафеге келинди ,,киргизиу олда пул дийди..
Саудаласып женгеси , барыны берди..
Урлар екен келин кийген ,,туфли,,ды..
Кудайдан корыкпаган арсыз каделер..

Каделер турленип..бир жактан келмейди..
Ойлап тапкан оны -- ойсызлардын озлери..
Жука колдын халын хеш ким билмейди..
Омирин арманга ,толтырган каделер..


Жыламаса болды ,улым ,кызым - деп..
Жан жакка жууырып ,ата анасы халек..
Ауладларга мийрас болмасын,,бул жаман иллет..
Бул исти токтайык Азиз Торелер..

Неге бундай бул бес кунлик дуняда..
Бул ислерин жакпайды гой--КУДАЙГА..
Кадени турлендирип ойлап тапканша..
Еки жастын бахтын - тилен Азизлер..

Каденинде -кадеси бар билсениз..
Созлериме капа болып журмениз..
Ата баба мийрас еткен каде бар
Соны ислен баскасы дым керексиз..

Аймуратова.Перихан.
Ташкент қаласы.
2024-Жыл.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 14:50


Логикалық сораўлар.

1) Оннан ҳеш бир қыйыншылықсыз ала бересең ҳәм ол соншелли дәрежеде үлкейип бара береди.
Ол не?

2)Шайды қайсы қол менен араластырыў керек?

3)Ким отырған ҳалда жүреди?

https://t.me,/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 13:48


#Arxiv

🎵Bazarxan – Jaqsiraq

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 13:31


Үмитиңиз сөнбесин.

Бир ханада төрт шам жанып турар еди. Заман өтип, адамлар өзгерип, ханадағы биринши “Ийман” деп аталыўшы шам өшипти.

“Ийман” өшкен орында менде узақ жана алмайман, деп “Жақсылық” деп аталған екинши шамда өшипти.

Ийман ҳәм Жақсылық өшкен хананы менде жарыта алмайман, деп “Меҳир-муҳаббат” шамы да өшипти.

Бул ханаға бир киси кирип:
- Эҳе, қаншелли қараңғы бул ханада я Ийман, я Жақсылық,  я Меҳир-муҳаббат жоқ,- деп артына бурылып кетпекши болғанда, төртинши шам:
- Тоқтаң,- деди.
- Сен қандай шамсаң? Неге еле жанып турыпсаң? - деп сорады жаңағы киси.
- Мен өшсем, бул бөлме қап-қараңғы болып қалады, Мен жанып турған екенмен қалған уш шам да жаныўы мүмкин. Өйткени мен “Үмит” шамыман,-деди

Қундызай.Қудайназарова.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 12:58


🧠 Есте сақлаўды жақсылаў, сондай-ақ мий тамырларын тазалаў ушын рецепт

♻️Егер сиз ҳәр күни бир неше ай даўамында бул араласпаны ишсеңиз, тамырлар тазаланады, басым нормалласады ҳәм есте сақлаў жақсыланады.

Таярлаў:

- 1 лимон қабығын майдалаң
- 1 бөлек шеснок майдалаң
- 1 ас қасық пал
- 1 литр ыссы қайнатылған суў
Ҳәммесин банкаға салып, салфетка менен жаўып қойың.
3 күн сақлаң ҳәм марлыда сүзип алың.
1 ас қасықтан аўқаттан соң күнине 3 мәҳәл ишиң.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 12:58


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

23 Nov, 11:30


Қыдырныяз.Бабаниязов.

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 10:41


Тәбият ҳаққында нақыл-мақаллар.

Аямәўиз алты күн,
Алты ай қыстан қатты күн.

Қарлығаш -бәҳәр нышаны.

Сәўир болмай,тәўир болмас.
Ийт түйнектен қаўын болмас.

Өпепек келди-жаз болды.

Ғаз бир ғаңқылдаса жыл киреди.
Ғарға мың ғаңқылдасада жыл кирмейди.

Үш ай саўыным.
Үш ай қаўыным.
Үш ай шабағым
Үш ай қабағым.

https://t.me/Soz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 09:52


Сөзиңизге опа қылың, жумыста қатаң болың.
Садықлық ҳәм шын кеўиллиликти сақлап қалыў- шыңның қарды услап қалыўындай шырайлы.
Жақсылық ушын жаралған ямаса жақсылықтан пүткиллей айрылған инсанды көрмедим.
Кимде-ким жақсылыққа умтылар екен бәрқулла ҳүрметте болады.

Конфуций.

https://t.me/Soz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 09:42


Батып баратырған қуяш.

Мен онда бала едим.Әкем пақыр тор сеткиге базарлықтың бәрин салған.О замандағы бул мулик ишине не салсаңда сыя берер еди.Ишине зат толған сайын бойына да,енине де үлкейер еди.Ол сетканың ишинен не керек бәри табылады.Мениң таңауымды жарып,көзимди ойнатып турғаны ишинде сары ала түсте мени көрдиң бе?-дегендей өзин көз-көз етип турған жамбылшада.
Әкемниң ийнинен сетканы алысар екенмен,жутынып қояман.Олда мениң тамсанып турғанымды сезип,қызым ағын суудың астына қоя кел,күн уясына кирген соң сойып беремен деди.
Сол күни қуяш өз инин сағынып турсада бата қоймады.Көшеге шығып ойнапта берекет таппадым, еки көзим қуяшта болса,ойым агын суу аймалап атқан сары алтында еди.
Апамның мени шақырған даусынан селк етип түстимде үйге қарай жол алдым.Усти-басымызды көрип апам жыллы сөзлери менен сыйлап,ақ жууып ақтарап ишке киргизди.
Кирип баратырыпта қуяшқа бақтым.
Ол хош ертең көрискенше дегендей соңғы сәулесине шекем шашып қулпынай реңге енседе геугим менен алысыудан тоқтамады.
Әкем тиликлеп берген сол күнги жамбылшаның ширели дәми менен кеулимди қытықлаған жупар ийисин елеге шекем қумсай беремен.

Орынгул Пирниязова
28.06.2020

https://tme/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 08:45


🎵Baxtiyar Jumataev - Babam Aw

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 07:20


А. Шамуратова

" Қарақалпақ қызлары "


https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 06:57


ҚАСЫМНАН ӨТТИ...

Бул тәғдир жоллары жүдә қызық. Ойламаған ислерди көзлер көре берип, қулақлар есите берип, адамзат бәрине де үйренип кетер екен. Аўа, адам үйренип кетер екен. Бирақ, бирақ сондай бир жағдай бар, оның менен ҳәр сапары дуслассаңыз, ҳәр сапары кеўлиңизди әлле қандай ойлар, әлле қайларға алып кетеди. Мен бул жағдайға "Оны" тунғыш рет жоғалтқанымда сезгенмен. Жанында турып, қасына барып, ҳешкимлигимди сезгенмен. Келер деп ҳәр күни жолында баққаным, бәндиргиде күткенлерим, жаўын жаўған күнлери көшеге атлансам үйдегилердиң усы жамғырда, усы батпақта қайда баратырсаң, -дегенлери, бүгин бәршеси жалғандай...

Узыннан-узақ сәўбетлер, қызғаныўлар ҳәм еркеликлер. Ҳәр сапары муҳаббат толы көзлердиң ымласыўы, ҳәзиллесиўи ҳәм ҳеш нәрсе деместен бағыўлар... Ҳәзирде көрип қалсам, тап усы тақылетке түсерим бар... Бирақ, үнсизлигим оған ҳеш кимлигимнен, үнсиз бағыўым сағынғанымнан, ал, ым қағыўым бул - тек ғана сәлемине әлик алғаным. Менде бурынғыдан парықлы түрде тағы бир сезим бар. Бул - оған бахыт тилеў сезими, оны бахытлы көриў сезими. Мен көп китапларда оқыған, киноларда көрген муҳаббат жөнли ўақыялардың, айралыққа толы қосықлардағы сағынышты енди билип атырғандайман. Ҳасла сол кеширмелерди бастан өткерип атырғандайман. Бәрине қол силте деп ақыл береди базылар. Хош сизиңше "Қол силтеў" аңсат па? Ҳасла жоқ! Мүмкин емес!
Ең баслысы, өзге менен өз ардақлыңызды көргенде оған шынайы бахыт тилеў бул - мәртлик ис, қайырлы ис. Қасыңыздан өткенинде, оған бахыт тилеў бул - инсаныйлық. Қасымнан өткен, кеўлимди алып кеткен ардақлым! Сен бахытқа ылайықсаң! Бахытлы бол!

ҚАСЫМНАН ӨТТИ

...бийкар сүйдим бе екен? ҳәдден асырып,
Мен бетте тойлайды әрман мәсирип.
Тисленген қулағын шаршы жасырып,
Кеўлимниң периси қасымнан өтти.

Өзгениң бағында ашылған гүлим,
Бийтаныс, бийпарўа көринер бүгин,
Ийнине асынып айралық жүгин,
Сүйиклим қамсығып қасымнан өтти.

Баяғы өртеген нәзери сөник,
Менсиз тәғдирине кеткендей көнип,
Бир әрман жүректи қақ еки бөлип,
Ышқымның еркеси қасымнан өтти.

Тыныш қыялымды суў киби серпип,
Мен сүйген әтирдиң жупары елпип,
Келгенде аўылға баласын ертип,
Қол жетпес әрманым қасымнан өтти...

Әбдирахман Зергер.
@zergerqosiqlari

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 05:18


Гей ўақытлары маған ким жəрдем қолын созар екен деп ойлап қаламан, кейин, өзимде де еки қол бар екенлиги есиме түсип Аллаҳқа сансыз шүкирлик етемен.
Өзиңнен өзгеге мүтəж етип қойма Аллаҳым!

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 04:17


"KÓZLERIM.

👉https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 04:15


<<Кийит кийгизиў ҳәм сарпай жабыў>>

Қарақалпақ миллий дәстүрлеримиздиң бири бул "кийит кийгизиў,сарпай жабыў" болып есапланады.

Халқ арасында бул дәстүр еле сақланып келмекте.

Келин алып қыз узатқанда қуда-қудағайларға сыйласық ретинде бериледи.

Әзизлерим.
Пикирлериңиз қандай?

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 02:58


-- Жуда жаксы болар еди ,айтагой онда -- деди жабырласып..
Ал тынлан онда - деди апа токтап турып..
- Биреуге кыз бердин бе ,сол куннен баслап ,козин кормейтугын ,кулагын еситпейтугын ,тилин сойлемейтугын ,аягын кызыннын уйине жууыра бермейтугын болыу керек.
Сонда гана сенин кызын ол уйге синеди.
Ал кызын мактаулы келин болады..
Хамме тым тырыс ,бир бирине карасып калды..
Сол гезде хаяллардын ишинен кайуана биреуи
- Апа дурыс айтып атыр.
Бул нагыз хакыйкый насият болды - дегенде барып хаммеси
- Ауа дурыс ,дурыс зор насият - деп макулласты..

Аймуратова Перихан .
Ташкент каласы.
Ноябрь 2024 ж

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

23 Nov, 02:58


УЗАТЫУ АЛДЫНАН КЫЗГА НАСИЯТ

(Болган уакия )

Нургул апанын торт перзенти ягыный еки кыз еки улы бар ..
Мине улкен кызын узатайын деп атыр.. Тойга таярлык бенен тан атырып , кун батырып жууырып жур..
Кызы дипломын алайын деп турганда ,саушыларда келип сырга салып кетти.
- Мейли -- деди Нургул апа.
Алла соны буйыртып турган екен..Кызымнын барган жеринде ,,бахыты , болсын - деп оз - озине таселле берип кояды арасында..
Мине тойгада санаулы кун калды..
Корпе тосегин , барин женгелери апарып жайластырып келди.
Уш ,торт куннен ,,ел каде той ,,..
Канша белин беккем буусада той жакынласкан сайын Нургул апанын кеули босасып атыргандай..
Идиралы перзентинин алды ,..
- Кой ойтип озимди кыйнамайын ,алыс емес жакын жер ,оннанда кызымды бир акылландырып ,насият берейин - деген ой келди.
Сонын менен тойга алыстан келген конаклардын кешки аухатларын берип болып ,тосек жайларында салып берди.
Сойти де кызы менен сойлесиуге ,болмесине барды..
Кызы да телефонда сойлесип отыр екен,анасын корип ,дарриу телефонды жабыуга харекет етти..
- Апа келин - деди орнынан козгалып ,касына шакырды.
Нургул апа кызынын касына отырып ,басынан сыйпады ,бауырына басты..
Коз жасы келип турсада ,озин каттыга услауга харекет етти..
Ишинен - жылама Нургул ,жыласан айтатугын гапинди айталмай каласан.
Насиятты жылап отырып айтпау керек - деп оз озин колга алыуга харекет етти..
Сойтиде
- Кызым куда калесе уш , торт куннен озге уйге барасан..
Саган айтатугын бир еки ауыз насиятым бар соны кулагына кууып ал кызым - деди..
- Апа кулагым сизде айта берин , озимде бир зат айтса керек деп , кутип жур едим .- деп анасынын ийнине басын койды..
- Енди сен озге уйдин адамы боласан.
Тек арасында кулип ойнап ,кийеу бала менен келип турсан болды.
Алла ,,бахтынызды ,берсин.. деди Нургул апа .
- Барган жеринде синисип кетиуге харекет ет..
Хамме менен тил табысыуга харекет етсен синисесен..
Ата ененнин бетине тик карама ,касийетсиз келин бежирейип карайды ата енеге..
Одан кейин.еки ортага хасла гап тасыма ..
Гап арага сууыкшылык салады..
Кийеу бала менен татыу бол..
Гап кайтарып уйрен бе..
Айткан гапи унамасада унсиз тынла , жак жарыстыр ма ,ертесине жайлап тусиндир.унамаган созин..
- Хазирден сабырлы болсан ,
кийеуин менен жуда жаксы жасайсан - деди.
Бакыр шакыр болса ,кадириниз кетеди , ара демде сууыйды..
Аранызга хеш кимнин тусиуине жол берме..
Ойткени хаял адам ,беккем , пухта ,таза болса оз дийдинен шыга алады..
Осекке хеш кашан ермеде ,айтпада ,косылмада.
Осек ен биринши душпанын болады
Соны умытпа - деп кызынын манлайынан суйип ,каттыга кушаклады.
Барган уйиннин жай жагдайына карап , келим - кеткенлерге колыннан келгенше хызметинди аяма - деп косып койды..
-Енди мен барып дем алайын..
Ертен Акен менен базарга барыуымыз керек - деп орнынан турды..
- Апа рахмет ,айтканынызды умытпайман..
Сизди уялтырмайман куда калесе.
- деп кызыда анасын кушаклап бетинен суйип , суйип алды.
Ана бала бир бирине ,жаксы дем алын ,деп ,хар ким оз болмесине дем алыуга кирип кетти..
Арадан уш ,торт кун отип ,,Ел каде тойда ,болды
Кызда узатылды .
Одан кейин екинши кызы да узатылды.
Ол кызына да узатар алдында усы насиятты айтып ,кулагына куйган еди..
Мине арадан биринши кызын узатканына тогыз жыл отти,ал екинши кызын узатканына бес жыл болды..
Нургул апанын насияты жерде калмады.
Кудалары ,берген тарбияна ,,рахмет ,- десе ,кийеу баллары да ,апа кызынызга берген тарбиянызга рахмет - деп алгыс айтып атыр.
Ал Нургул апа хар заман ,хар заман кызларын тексерип турады..
Ойткени апанын оз ойлаганы бар еди.
Бир куни бир нешше хаяллар ауылдын тойынан кайтып киятырып Нургул ападан сорады
- Кудагайларын келинин мактай береди ,сенин кызларынды..
Сенде бир сыр бар гой .
Бизлерге де айтса -- деди
- Яхшы айтайын ,бул сыр емес..
Бул улкен насият ,макул болса айтканым болсын - деп Нургул апа куле шырай менен жууап берди.

Сөз маржаны

23 Nov, 02:05


#Тәрбия

Мәнили қосық қатарлары

https://t.me/Sóz_marjanı

Сөз маржаны

12 Nov, 10:55


Еркек ушын дүнья -үй,
Ҳаял ушын үй -  дүнья.

Еркектиң жазмышы - жәбир,
Ҳаялдың жазмышы - сабыр.

Себеби:
Еркек жәбир шегип - тахт табады,
Ҳаял сабыр етип - бахыт табады.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

12 Nov, 09:30


САЎАП

  Кабинетиме есикти әсте ғана үш мәрте қағып, мен рухсат берген соң бир жигит кирип келди. Сәлем-әликтен кейин ийменип мен көрсеткен орынлыққа отырды да,
    - Устаз, сизге бир сораўым бар еди рухсат па қойсам? Ҳаялым менен биргеликте бир ис қылып атыр едик. Бул исимиздиң Аллаға мақул келмей қалып гүнә арқалаўдан жүдә қорқып жүрмиз деп,-жерге қарады.
    - Қам сүт емген пенде болған соң, қанша жерден елди аўзына қаратқан иймам болсам да жигиттиң сөзин тыңлап отырып неше түрли гүманлы ойларға барып қалғаным да рас. Сонда да барынша өзимди сабырлы услаўға ҳәрекет етип:
   - Соншелли тәшўишленетуғындай қандай ис пенен шуғылланып жүр едиңиз, иним?- дедим.
    - Мен көп қабатлы үйде жасайман. Бир орыс кемпир менен көптен берли қоңсы тураман. Ол апаның балалары Россияға кетип қалған. Жағдайынан хабар алатуғындай ҳеш кими жоқ. Сол кемпирдиң наўқасланып жатқанына үш-төрт айдай болып қалды. Анасының аўҳалын айтып балаларына хабарлассам, ҳеш қандай дәрек жоқ болған соң, ҳаялым екеўмиз кемпирге аўқатын берип, қолымыздан келгенше күтимин қыламыз. Келиншегим ҳәр еки- үш күннен кийимлери өзгертип, кирлерин жуўып турады. Бирақ кемпир басқа диннен, оған хызметин етип атырғанымыз дурыс па, соны билмей басым қатып кетип, сизиң алдыңызға келип отырман устаз,- деп сөзин жуўмақлады жас жигит.
- Бул хызметлерди ертең кемпир өлгеннен кейин жайына ийе болып қалыў ушын ислеп атырған жоқсыз ба?- дедим жигитке сораў нәзери менен қарағанымда:
- Қудай сақласын, үйимиз өзимизге жетеди. Тек буны аз да болса ғәрип кемпирге жәрдемлесип, саўап алайық деп ислеп атырмыз. Бирақ гейде бул исимиз дурыс па яки надурыс па? Әйтеўир өзге диндеги инсанға хызмет қылып, гүнаға батып атырған жоқ па екенбиз, деген ой келип қалады деп,- сораўын қайталады.
- Бийшара наўқас анасына өзиниң туўған перзентлери қараўдан бас тартса, сиз сыяқлы жети жат бийганалар хызметинде болып, меҳир берсе және ол қылғаным гүна емес пе екен деп Жаратқаннан қорқыўының өзи үлкен саўап. Ол ушын дым ғам жемең, себеби сизлер тек ғана өмирдеги инсаныйлық ўазыйпаңызды атқарып атырсыз. Ал буның ушын болса,әлбетте, саўап аласыз, - деп басқа дин ўәкиллерине жақсылық қылыў ҳаққында келтирилген ҳадисти айтып бердим. Сонда жигит:
- Қудайға шүкир-ай, нешше күннен берли соны ойлап я ишип-жеп, я дем алып берекетим болмай жүр еди. Рахмет сизге, устаз, жақсылап түсиндиргениңизге, - деп алғысын айтып, хошласып, көтериңки кейпият пенен кабинетимнен шығып кетти.


“Қасамини бузган қиз” китабынан

Қуўанышбаева Гүлайым аўдармасы

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

12 Nov, 08:21


#Даналық

Қапа болма!.
     Мудам кулип жүр!.
Бир затқа мүтәжсиз бе?.  Оны  әтирапыңдағы адамлардан емес, Алладан сураң. Неге дейсиз бе?
     Себеби ҳеш ким еситпесе де, Алла еситеди...

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

12 Nov, 07:22


Қапы бирден тарс етип ашылды. Баласының гүңкилдиси еситилди.Тили зорға айналады, не айтып турғаны белгисиз. Келини иштен жуўырып шықты.
Күйеўине:
-Ишке кире ғой.Жатып демиңди ал,- деп жалынып атыр.Күйеўи оны тыңламай,силтеп таслады. Аўзынан ақ ийт кирип, қара ийт шығып атыр.
Келиншеги ашыўланып бир нәрсе деп еди,күйеўи қутырып кетти. Оны урыўға қолайласып,қолын енди көтерип атыр еди,үлкен баласы жуўырып келип қолын услап қалды.
-Анама қол көтерме, оның не айыбы бар?-деди жекиринип.
Әкеси  оған ҳайран болып қарады.
-Сен бе маған гәп қайтаратуғын,-деп оны урмақшы болғанда баласы шаққанлық пенен оның қолын артына қайырды ҳәм жерге жығып қасында дизерлеп отырды.Аң-таң болып  турған инисине қарап:
- Қорадағы жипти әкел!-деди.Ол түсинбей қарап тур еди:
-Бол,тез,-деп бақырды.
Ол сыртқа жуўырып кетти.Екеўлеп әкесиниң аяқ-қолларын байлап таслады.
Дәслеп әкеси бар даўысы менен сөгинип бақырды, кейин еңиреп жылай баслады:
-Анажан,қаяқтасаң, мыналар мени қорлады ғой,-деп бақыра баслады.
Ажар апа шыдай алмай еңбеклеп дәлизге шықты.Баласы дәл ортада жатыр екен.Қасында еки ақлығы зиңирейип қарап тур. Келини бөлмениң бир мүйешинде бир ноқатқа қарап отыр,орамалы түсип,шашлары тозғып кеткен. Ажар апа енди итибар берип қарады, келининиң шашларына ақ түсипти. Баласы оны көрип және жылай баслады.
Анасы оның қолын шешиўге ҳәрекет етти,күши жетпеди. Ақлығына қарап:
-Бул не қылғаның, әкеңниң қолларын шеш,балам,-деди.
-Тиймең апа!-деди ол ашыўланып.     Ажар апа ақлығының  көзиндеги ғәзепти көрип қорқып кетти.Тил алғыш, мөмин баласын таный алмай қалды.
Баласы анасынан көмек болмағаннан кейин жалыныўға өтти:
-Енди қайтып ишпеймен, қудай урсын,- деди.
Оның қолларын шешти,кейин ол тым-тырс жатты.
Буннан кейин ол ҳаялына қол көтергенин тоқтатты, ишиўди де азайтты.
  Ажар апа ақлықларының есейип қалғанын билди. Оларды да түсиниўге болады.Қатарларына қарайды.Барлығының әкелери "үйим-жайым", дейди.Балларын тәмийинлеп қойыпты.Булар болса, әкеси жумыс ислемесе де,арақ ишпей келсе екен, -деп тилек тилейди.
Ажар апаның да күн-түн тилеги усы:
- Я алла, балама инсап бергейсең. Ишкенин қойып балларына басшылық етип отырғай. Ақлыкларым да аман болғай. Ата-анасы усылардың рәҳәтин көргей! Алла мениң аманымды тезирек ала қойғай.Усылардың алдында кетсем әрманым болмас еди,-деп тиленеди.
Бүгин де көзи уйқыға кеткенше  гүбирленип жатты.Келини келип хабар алып кетти.Ол енесине қарап:
- Ене,еле ақлықларыңыздың үйленген тойын да көресиз,-деп жубатты. Буған да шүкир. Баласынан көрмеген меҳирди келининен көрип отыр.
Ажар ана таң алдында көзи илинип,түс  көрипти. Жас келиншек ўақты екен,қасында күйеўи.Екеўи қол усласып жүр. Жүдә бахытлы. Көз ушында балалары жуўырысып ойнап жүр.
  Ажар ана шоршып оянды.Үй-иши тым-тырыс. Ол және:
- Аллаға шүкир- деп гүбирленди ҳәм терис аўдарылып жатты.

Жумамбетова Қурбангүл.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

12 Nov, 07:22


КЕКСЕ АНА ҲӘСИРЕТИ

Ажар апаның еки қулағы есикте.Тық еткен сеске елең етип, басын көтерип,тыңлап жатады:
- Балам бүгин де кешигип атыр, және ишип кетти ме деймен. Урыс-жәнжел шығармай уйықлай қойғай-да!,- деп тилек тилеп отырады.
Баласы қудайдың берген күни мәс болып келеди, я белгили баслы бир жумысы жоқ. Келининиң айлығы менен буның азғантай напақасы қай бирине жетсин.Оның үстине Ажар ана жапсақлы болып жатаққа жатып қалды.Еки ақлық баласы да ержетип қалды.Алды мектепти питкерейин деп тур.Кемпир апасы арасында оларды қасына шақырып алып нәсият қылады:
- Балларым,мына әкеңиздиң ишкени жетип атыр, сизлер ише көрмең,анаңызға жәрдемши болың,- деп қулақларына қуйып отырады.Олар да :
- Яқшы апа,қәўетерленбең,-деп жубатып қояды.Әсиресе үлкени тез есейип қалды.Оқыўдан бос ўақытлары күнлик жумысларға шығып турады. Ал оларлың әкесине ҳеш ақыл кирмеди, күни бойы бийкаршы.Өзине қусаған бир-еки арақхор жоралары менен тамның саясында карта ойнайды, шығарыспақ етип арақ алып ишеди.Және үйге келип урыс шығарады. Бәри бийкаршылықтан.Әнедей жумысынан да айрылып қалды.
Ажар апа бунда өзин де айыплайды.Баламның генжетайы деп еркелетип өсирди.
Күйеўи үлкен еки баласын тәртипке
шақырса үндемес еди.Бирақ усы баласына сөйлесе жаны шығып кетер еди.Енди азабын өзи тартып отыр.Ғаррысы да әлле қашан бул дүньяны тәрк етти.Үлкен уллары да өз алдына хожалық болып кетти.Олардан кеўли қәтержам.Тек усы генжетайы күйдирип тур. Бир неше мәрте ағалары келип нәсият берип кетти.
- Енди ишпеймен,-деп ўәде берип қалады,бирақ нәтийже жоқ.Аржағында болмаса қыйын екен. Ақыры олар ақыл айтқанды да қойды.Анасын үйлерине әкетпекши де болды. Ажар апа келисим бермеди. Келинин де аяйды,өмири усы баласы менен айқасып киятыр. Дәслепки ўақытлары келини төркинине де кетип жүрди. Ҳәзир ата-анасы да қартайып отыр, инилери үйленген,енди бара бериўге келинлеринен де уялады... Оның үстине өз баллары да ержетип қалды.Баллары жас гезинде күйеўи уйықлағанша далада қашып жүрер еди. Күйеўи қапының аўзында уйықлап қалса, оятып алмайын деп, айнадан кирген күнлери де болды.

Сөз маржаны

12 Nov, 06:31


Бетиңе күлгенге емес,
Қәдириңди билгенге исен.

              Халық нақылы

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

12 Nov, 04:07


Мениң болса буған өзим билип пул бериў деген қыялыма да келмейди!" деп өзимди өзим сөгип атырман.
    Бөлмеге кирдим. Ҳаялым көрпени басына бүркенип алып, еле жылап атыр. Қасына барып оны қушақладым:
    - Жылама, шабазым. Сеннен аяған пулды ийт жесин. Ана тартпадағы пулдан керегиңше ал да, ертең базарға барып өзиңе бир қатар кийим ал.
    - Ол ақшаға үйге таза есик алмаймыз ба?
    - Сонша жыл сол есик пенен  турды. Еле де бир-еки жыл турса ҳеш нәрсе етпейди, - дедим.
Ҳаялымның жүзинде қуўаныш нуры пайда болды. Оның маңлайынан сүйип уйқыға кеттим. Түн ярымында оянып кетип, саатқа қарасам,  03 : 40! Ҳаял терис қарап алып бир нәрселерди гүбирленип атыр. Әстен қулақ салып тыңласам:   
   - Жеңгемдикиндей, сулыў көйлек аламан, жақсы орамал аламан. Және...  және...  - деп базар режесин дүзип атырған  екен.
    Таң атыўдан балаларды маған таслап базарға кетти. Жас балаларға қараў азап екен. Күни бойы диңкемди қуртты. Ҳәр ашыўым келгенде анасын сөгемен. Түстен кейин ҳаялым кирип келди, көзинде жас!
   - Ҳе, не болды? Сөйле!
   - Алған затларымды "Дамас"та қалдырып түсип кете бериппен. Бағанадан бери изледим. Сол  "Дамас"шыны таба алмадым. Мени кешириң ағасы! Азаннан кешке шекем үйден шықпай отыра берип, аўыш адамдай болып қалыппан, - деп жылап жиберди ҳаялым. Оны бир қайтара сөгип алдым да, "Дамас" шоферы қандай адам екенин сорап алып, излеўге шықтым.
Еки саат дегенде сол айтқан "Дамас" ийесин таўдым. Пакетке ораўлы қалдырылған затларды алып, күн батарға жақын үйге келдим.
- Қәне, аш пакетиңди! Көрейик азаннан кешке шекем жүрип не алғаныңды! - деп бақырдым. Ҳаялым көзлери жасаўрап, пакетин ашып еди, ишинен еркеклер көйлеги менен туфлийи шықты!..
- Ҳаў, бул не? Буны кимге алдың?! - деп сорадым қорқып кетип.
- Ботинкаңыздың табаны тесилип жүргенин көрип едим. Быйыл гүзде жаўын көп жаўады. Соның ушын сизге алып едим. Көйлегиңиз де жуўып, үтиклей берген соң, жағасы тозып кетти. Мен үйде отырманғо, маған кийим неге керек? Сиз көшеде қасыңыздағылардан кем болып жүрмең, ағасы, - деп жылап, асханаға кирип кетти.
Қолыма ботинканы услап, оған бир аўыз да сөз айта алмай, албырақлағанымша турып қалдым...

Қуўанышбаева Гүлайым

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

12 Nov, 04:07


#Сыр_сандық

ҚОҢСЫ ҲАЯЛ СЕБЕП...

   Үйге келсем, ҳаялымның қабағы қарс жаўылып жылап  отыр. Баяғыдай "Жақсы келдиңиз бе, ағасы? - деп күлимсиреп, есиктен күтип алыў да жоқ.
    - Ҳаў буншама не болды? Сәл еңкейсең қабағың жерге түсип кетейин деп тур ғой, - деп  орынсыз болса да ҳәзиллескен болдым.
     - Қоңсы Зухра келип кетти... - деди көзиниң жасын сыпырып.
   Жағдайды енди түсингендей болдым.
    Ол ҳаял бизиң үйге  күйеўи алтын жүзик алып берсе, ямаса қымбат бир жерге аўқатланыўға апарса соны айтып мақтаныўға келеди.
   - Күйеўи тағы не алып берипти?  Алтын геўиш алып берип пе екен?!
8- мартқа шекем еле бираз ўақыт бар еди ғо! - деп ҳаялыма қырсығып сөйлеп қалдым. Ол орамалының шетин тислеўи менен асханаға  жуўырып кетти.
Ҳаялымның бир әдети бар: қатты ашыўланса да, қатты қуўанса да көзиме қарап сөйлей алмайды. Есесине, асханаға киреди де, бар даўсы менен жылап дәртин дастурхан қылады:
- Алтын геўиш саўға ете ме, оннан үлкенин бере ме, Сизге не келип кетери бар әйтеўир әперди! Сиз соңғы мәрте маған қашан шын кеўилден бир нәрсе бергениңизди еслей аласыз? Қашан мен сизден жағдайыңыз келмейтуғын нәрсени сорадым?! Қуда қалесе ҳәммеси жақсы болып кетер, өзимниң таңлап турмыс қурғаным ғой, деп барыңызға да жоғыңызға да көнип киятырман. Бирақ ўақыт өткен сайын маған итибар бериўди де умыттыңыз. Жумыстан келип, тайын аўқатты жеп алып, бирден телефоныңызға асыласыз Мениң менен үйде тыныш ғана ананы-мынаны айтысып, сөйлесип отырмайсыз да! Мен ғой мейли, ҳәммесине көне беремен. Бирақ балаларыңыз сизиң қасыңызға барыўға қорқып қалды. Себеби перзентлериңизди еркелетиў былай турсын, қасыңызға жақынласа жекирип жиберетуғын болғансыз, - деп ҳаялым хорланып, солығын баса алмай, солқылдап жылап отыр.
Кеўил кейпиятым бузылып, қоңсы ҳаялды күйеўи менен қосып бир қатар сөгип алдым. Еки - үш қайтара "жақсы ғана" сөгис еситкеннен кейин ҳаялымның да үни өшти. "Телефонға жабысасыз" деген сөз аўыр тийип, телефонымды бир шетке лақтырып жибердим. Пультти алып телевизор көре басладым. Бирақ ойымда еле ҳаялымның гәплери.
"...Дурыс айтады. Соңғы гезлерде өзим менен өзим болып, булар менен сөйлесип отырыў дегенди умыттым. Ҳәммесин бала-шағам ушын ислеп атырман, деп өзимди алдап жүриппен. Бул бийшарада не айып? Жети жыл изинде жүрип, қаншасы менен урысып-төбелесип, "бахытлы қыламан," деп үйленип едим. Енди болса тапқанымды ишип-жеўден аўыстыра алмай, буған қарағанды да қойыппыз..."
Жүрегим қысылып, таза ҳаўа жутыў ушын көшеге шықпақшы болдым. Аяқ кийимимди кийип атырып, ҳаялымның туфлийине көзим түсип кетти. Түри қашып, үсти қыршылып, көп кийилгенинен арты бир жағына қарай қыйсайып кетипти.
"Эй, ешшек, ешшек! Усыны кийип күнде көшеге шығып, мерекеге, базарға барып жүр ғо! Лекин маған ҳеш нәрсе айтпайды. Мениң кеўлиме тийгиси келмейди.

Сөз маржаны

12 Nov, 03:39


ЖЕТИ НӘРСЕНИ ЯДЛАП АЛ

    Ҳәким Улықман улына мынадай нәсият айтады:
        - Балам, мен саған  жети нәррсени нәсият етемен. Барқулла ядыңда тут:

1. Ҳеш қашан иши қара адам менен жолдас болма;

2. Көре алмайтуғын адамнан ҳеш нәрсе сораўшы болма;

3. Ашыўшақ, надан адам менен жақын болма;

4. Өзиңнен күшлилер менен гүреспе;

5. Еки жүзли менен дос тутынба;

6. Қызғаншақ адамды өзиңе дос деп ойлама;

7. Сырыңды ҳеш кимге исенип, аманат қылма.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

12 Nov, 03:06


КӨШИРСЕМ

Бизлерди  тәрк етип қуслар ушқанда,
Өмирим мийзанға қушақ ашқанда,
Салқын самалларда, айлы ақшамда,
Гүзги бағ намасын  аққа көширсем...

Самаллар тербеген сестиң бар сырын,
Меңгерсем зибансыз тәбият тилин,
Таңға уласса да уйқысыз түним,
Гүзги бағ намасын аққа көширсем...

Самал жулқылаған ойларым бираз,
Өзине келеалмай қылғанда талас,
Сыйқырлы сезимлер оятар ҳаўаз,
Гүзги бағ намасын аққа көширсем...

Алдын сөз дөрелсе, соң жети нота,
Жазғанлар лал қалса "айға соната"
Сыясы кеппестен өзиңе тута,
Гүзги бағ намасын аққа көширсем...

    Зульфия  Жийемуратова

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

12 Nov, 02:41


"АДЫҢНАН"
Нурсулыў Төрениязова

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

12 Nov, 02:00


АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!

    Ҳәр бир қараңғылықтан кейин нур, ҳәр түнниң артынан таң, ҳәр бир сабырдың артынан әлбетте, қуўаныш болады.                         
         Румий.

    Бул күннен қуўаныш күтип жасап атырған халқымызды, илайым, қуўанышлы ўақыялар ҳасла тәрк етпесин!

   Түн қойнынан жарқ етип жарып шыққан қуяш нурлары бәршемизди жақтылыққа жеткизсин!

    Таң атқанын көрдиңиз бе, демек, сиз өмирдиң қараңғы соқмақларынан жақтылыққа қарай ашылатуғын есигин әлбетте, табасыз.

    Себеби, тағдир ҳеш кимди шығыў есиги болмайтуғын қараңғылыққа қамамайды...

    Үмит пенен исеним сизден алысламасын!

   Жаңаша имкәниятлар менен жаңа күнге қәдем таслайық!

    ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

11 Nov, 17:00


Қайырлы ақшам, қәдирданларым!

    Сизлер бенен ғайыбана сәўбетлесип отырып, бүгинги күнниң ақшамына да жетип келдик.
    Дүньяда  қаншама миллиард инсан болса, соншама минез, соншама әдет ҳәм соншелли пикирлеў бар. Бирақ кеўил ғана оларды бир - бирине жақынластырады.

    Инсанда ҳәмме адамға жақсылық ислеўдиң иләжы жоқ. Бирақ ҳеш кимге жаманлық ислемеўдиң имкәни бар.

    Бахытлы өмиримизде бир биреўге жақсылық ислеў арқалы өзимиз де бахытлы болайық!

   ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

11 Nov, 15:58


АРЫЎХАН ӘЖАПАҒА
музыкалық сәлемнама

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

11 Nov, 15:00


#Қутлықлаймыз

Ҳүрметли ҳәм әзиз әжапам болған

      ТУРЕКЕЕВА
       АРЫЎХАН
   АЙМУРАТ ҚЫЗЫ!

   Өзиниң қәдирин билетуғын ер минезли әжайып әжапамның бүгинги 11. 11 туўылған күни қутлы болсын! Сиз қыйыншылығы менен қызығы қатар жүретуғын өмирдиң соқпақ жолы менен ибратлы ҳәм нық қәдем басып, батыл жүрип келесиз.  Сизиң бойыңыздағы күш-ғайрат - таўсылмас илҳәмның булағы! Машқаланы мүмкинликке, тосқаўылды жеңиске айландыратуғын парасат пенен табанлылығыңыздан үлги алса арзыйды. Усындай қәсийетлериңиз бенен идеяларыңыз  сизди жаңалықларға, табысқа жетелесин!
    Зор денсаўлықтың арқасында избасарларыңыздың қызықларын әжағам менен теңше көргейсиз! Сизиң бахытлы өмириңизге ҳәмме ҳәўес етсин!

Пәк кеўлиңиз шадлықтан толып-тассын,
Ақ жүзиңиз иләйим нур жайнасын.
Туўылған күниң бүгинги қутлы болып,
Жарқын күнлер аша берсин сизге айнасын,- деп шәкиртиңиз

Қуўанышбаева Гүлайым
       қутлықлайды.


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

11 Nov, 15:00


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

11 Nov, 14:11


СЫЙҚЫРЛЫ АЙНА САДАҒА
(ҳәзил)

Үш қап жүўерини артып арбаға,
Дийқан жолға шықты базар бармаға.
Төрт түйе жүги бар сарбанды көрип,
Ешегин тоқтатты қолын алмаға.

Зер шапан жамылған саўдагер күлип.
Неғып жүрсең деди бул жолда бүлип.
Ишпей жемеседе сулыўлыққа өш,
Көйлек әкел деди, үйдеги зүлик.

Жипек таўарым бар берейин саған,
Үш қап дәниң менен ешегиң маған.
Деген соң, қуп түсти дийқанға саўда.
Яшақай! қатыннан тыншыйды жағам.

Саўдагер бир-еки аршасын ашты,
Аршадан бир айна сәўлесин шашты.
Дийқан аң-таң болды айна көрмеген.
Жақынлап үңилип ақылы састы.

Өзин өзи көрип тилсим айнадан,
Атам деп ойлады, қарап тур маған.
Шайтан араласып ҳадал саўдағы.
Сыйқырлы айна деп ысырды оған.

Айнасын қутының түбине салып,
Дийқан қайтаберди арбасын алып.
Саўдагер муртының астынан күлип,
Садаға мырс етти пайдаға қалып.

Дийқан қайта-қайта айнаға қарап,
Үйине бақырды, сырттан апалап.
Атамды сағынсаң, қутыға қара,
Тилсим айна екен, алдым, жаңа тап.

Ҳаялы да шығып ҳәўлирип иштен,
Айнаға үңилди, гезек күтпестен.
Атаң емес мынаў сулыў нашарғо,
Ойнасыңба деди, ол ҳәм билместен.

Кемпир де үңилди ҳайраны шығып.
Қараса кемпир тур мыржымы шығып.
Қайдағы ойнас бул! кемпирғо келин.
Ғаррым қайда деди, шыр-пыры шығып.

Ҳаялы тәп берди көйлегин сорап,
Ғарғысыда жаўды буршақтай борап.
Айнадағы көрген ойнасың менен,
Қос мазар бол деди, шық үйди босат.

Айнаны зыңғытып шил-пәрше етти,
Садалық дийханның басына жетти.
Атасын көргенин айта бергенсоң,
Қоңсы қобалары алжыған дести.

Парахат Сулайманов

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

11 Nov, 13:00


#Пайдалы_мәсләҳәт

Нени қашан ишиў керек?!

• Лимонлы суў- оянғаныңызда
• Көк чай - азанғы чайдан кейин
• Минерал суў- түсликти ишип болғаннан соң
• Кофе- түсликтен кейин
• Айран - кешки аўқат пенен
• Ромашкалы чай- уйықлаўдан алдын

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

11 Nov, 13:00


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

11 Nov, 12:03


#Даналық

Инсандағы ең жоқары байлық - ашкөзликтиң болмаўы.

   Луций Анней Сенека.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

09 Nov, 03:17


БАХЫТ УШЫН НЕ КЕРЕК?

Адамларға бахыт ушын не керек?

Ҳәмелдарға басқарғандай қул керек,
Қызы көпке тырнақ болар ул керек,
Көпшиликке бәрин сатып алыўға,
Таўсылмастай қалта-қалта пул керек.

Биреўлерге намыс керек жыйналған,
Биреўлери табар оны ийманнан,
Түсиниңлер дүнья бәри қалады,
Сенде ҳәзир ялғаншыда миймансаң.

Адамларға бахыт ушын не керек?

Шарап керек шағалмәс боп жүриўге,
Ҳәзлик керек бийғам дәўран сүриўге,
Ата-ананың бар тапқанын жоқ қылып,
Күни-түни қаңгып ийттей үриўге.

Билим керек жаслықта тас ойылған,
Жанлық керек ҳайт-тойларда сойылған,
Жан күйерге мийнет еткен тынбастан,
Ҳәйкел керек халқы ушын қойылған.

Адамларға бахыт ушын не керек?

Арыўларға ярдан келген гүл керек,
Нәмәртлерге бир өткерген түн керек,
Аштан қалған ҳеш кимсесиз жетимге,
Нан жабыўға бир ийлемлик ун керек.

Аўырыўға бир сыйқырлы ем керек,
Көзлилерге жақты-нурлы рең керек,
Ериншекке белин бүкпей табыўға,
Дәўлет пенен әўмет бирдей тең керек.

Адамларға бахыт ушын не керек,

Биреўлерге бахыт таңның атқаны,
Кең далада қар төселип жатқаны.
Шадлық берер ҳәр бир майда ҳәдийсе,
Алақанда болса да бар тапқаны.

Жақсы болсаң душпан мылтық оқламас,
Қуры өтсең, ҳеш ким сени жоқламас,
Бахыт қусы сатылмайды билиңлер,
Өмир деген зуўлап кетер тоқтамас.

Адамларға бахыт ушын не керек,

Ҳәр биреўге жупты болған яр керек,
Жигитлерге намыс пенен ар керек,
Сабыр менен сынақларға төзимли,
Жүк көтерер кеўилинде нар керек.

Биреўлерге бахыт деген берекет,
Шаңарақ деп тынбай қылар ҳәрекет,
Жақсылардан бағ қалады деген бар,
Соның ушын мийўе берер терек ек.

Турғанбай Қарлыбаев.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

09 Nov, 02:46


🎵 "Қарақалпақ мен боламан"
🎤 Саламат Қәллибеков

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

09 Nov, 02:00


АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!

​​Биз өз өмиримиз даўамында неге исенсек, ҳәм нени күтсек соған ерисемиз...

Өмир гөззал екенине исенсеңиз - турмысыңыз гөззалласады...

Егер, “Өмирде жасаўдың мәниси қалмады,”- десеңиз... .. өмириңиз өз мазмунын жойтады...

Егер сиз, “түскинлик ҳәм өмир сынақларынан шығыўдың жолы жоқ”,- десеңиз.... ол жолды таба алмайсыз...

Сиз өзиңизге исенсеңиз, ҳәр қандай қыйыншылықлардан шығыў жолын табасыз ҳәм ол жолды әлбетте көре аласыз...

Сиз жаманлықты күтсеңиз ол келмей қалмайды...

Кеселликтен қорқсаңыз - наўқас боласыз...

Әўметке исенсеңиз - оны жаратасыз...

Бахытты күтсеңиз - ол сиз тәрепке қарай жолға шығады.

Сиз - ҳақыйқый бахытқа ылайық инсансыз! Күлип жүриң ҳәм өзиңизди бахытлы адамдай сезиниң.

Ҳәм сиз шыны менен де БАХЫТЛЫ ИНСАНҒА айланасыз!

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 17:00


Қайырлы ақшам, әзизлерим!

    Өмир - мисли бир дәрья. Дарья ағысында ҳәр қыйлы тоғанақлар болғаны сыяқлы, өмиримизде де  биз ойламаған нәрселер ушырасады.

    Гейде сиз қәлеген нәрсеңизге ерисе алмайсыз. Оны ойлап ҳасла қапа болмаңыз.

    Себеби сиз оннан да жақсысына ылайықсыз!
    Жүрегиңизди жақсы нийетлерге толтырып, жақсы дем алыңызлар!

    ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 15:20


Сөз маржаны" каналының ҳүрметли оқырманлары!

   Каналымызда ҳәр күни саат 18:00 де берилетуғын Пайдалы мәсләҳәтлердиң бүгинги санына "жаңғақ деген сөз қарақалпақ тилинде жоқ," деп пикир айтқанлар бар екен.
    Бул сөз қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигине киргизилген. Түркий тиллерде ортақ пайдаланылатуғын сөзлерди жатырқап, тилимизди шеклей бермейик!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 14:30


#Ҳикмет

Сабыр - ишиңизде сонша дәртиңиз болса да инсанлар алдында күлип жүре алыўыңыз...

Сабыр -көзиңизге жас толып турса да ҳешким байқамайды. Себеби оны сиз ҳешкимге көрсетпей сыпырып таслап қайтадан ҳеш нәрсе болмағандай күлип тура алыўыңыз...

Сабыр - биреўлер сизге тас атып атырса да өзиңизди көрмегенге салып жолыңызды даўам еттире бериўиңиз...

Сабыр - гүлзарды әрман етип, оған жетиў жолында шеңгеллерди басып өтиў...
Сабыр - талайыңда барына да жоғына да көнип ҳәрекетти тоқтатпаў...
Сабыр - Алла таала сениң менен бирге екенлигин шын жүректен сезине алыў...

Жалолиддин Румий


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 13:00


ПСИХОЛОГЛАРДЫҢ АНЫҚЛАЎЫНША...

🌶 Тағамға ашшы қосып жейтуғынлар  өмирине реңбәреңлик қосқанды жақсы көреди.

🥜 Жаңғақ ҳәм соған уқсаған қатты мийўелерди шағып жегенди унататуғынлар ҳәрдайым жеңимпаз болыўға умтылады.

🥩 Аўқаттың гөшли болыўын қәлеўшилер ашыўшақ ҳәм нерви ҳәлсиз болады.

🍎 Овощ ҳәм мийўелерди жақсы көретуғынлар  аўыр ҳәм салдамалы минези менен ажыралып турады.

🥘 Жүдә қызғаншақ адамлар майлы тағамларды сүйсинип жейди.

🥓 Кәбап ҳәм қақланған гөш ышқыпазлары романтикаға бейим болады.

🐟 Теңиз өнимлерин көп жейтуғынлар арзыўлар аспанында ушып жүреди.

🥛 Сүт өнимлерин жақсы көретуғынлар жуўапкершиликли ҳәм ғамхор болады.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 13:00


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 11:01


#Мотивация

Бүгин...
Кимлердур күтип жете алмаған күн, кимлердур жасай алмаған күн, кимлердур әрман еткен күн ҳәм кимлергедур әрман болған күн...

    Бүгин!!!
ҳәм Сен усы жердесең, сенде имкән бар, солай екен бир жерде турма алға жүр яки утасаң яки тәжирийбе ҳәм билим аласаң!!!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 10:00


Усы ўақыттағы жағдайымды еслесем, елеге шекем   кеўилсизлик ҳәм қорқыныш пүткил денемди  бийлеп алады.
     Енди не болады? Балама аўқат таба алмадым. Енди оған не беремен?  Бир нәрселеримди сатайын десем, әлле қашан  анам берген алтын тағыншақларымды  сатып, баланың сүтине жумсап қойғанбыз.
    Мен усы ҳалымда "душпанына тәслим болып, дар астына киятырған"  адамның  аҳўалында едим. Ҳәтте, жылай да алмадым! Жылаў  ушын ҳәм биреўге жарылыў керек ғой. Кимге жарыламан?!  Дүнья ислеринен бийхабар балам бетиме қарап ыржаң-ыржаң күледи.  Ал, мениң оннан бетер хорлығым келеди.
    Болды, мазалы етип шай беремен.  Басқалар да сөйтеди ғой. Еңтеңге бир нәрсе табылар... деп өзимди жубатып атырғанымда, машинадан түсип киятырған анамды көрдим.
     - Апа, барсыз ба, қаяқларда жүрсиз?! -  деп оны қушақлап алдым да,  жылап жибердим.
      - Не болды балам, тынышлық па? - деп анам қорқып кетти.
      - Балама... балама бир қуты сүт керек... - мен жас балалардай еңкиллеп турып жыладым.  Сол пайтта мен ушын пүткил дүньяның байлығынан гөри бир қуты сүт қымбат еди!
- Ҳее, қызым-аў,  әйтеўир аманшылық екен ғой!  Мә, мына пулды ал, - деп анам еки қуты сүтке жеткендей ақша берди. Мен қуўыршағын таўып алған қыздай, бахтыяр едим! Анам менен асығыс хошластым да, үйиме қарай ушып келдим.
    Енди баламның аўқаты бар!  Маған оннан басқа ҳеш нәрсе керек емес!

     Усы күни мен,  АНА БОЛЫЎ - жаныңды мың бөлекке бөлиў екенлигин терең  аңлап жеттим...

АНАның кеўил кеширмелерин жеткизген:
Қуўанышбаева Гүлайым


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 10:00


МЕН АНАМДЫ ҚАШАН ТҮСИНДИМ?..

Шығынды таслаўға шыққан едим. Жерде жатырған бир қуты балалар сүтин көрип қалдым. Мүмкин, жарамлылық мүддети өтип кеткен шығар, деп ойладым да, ықтыярсыз қутыны қолыма алып, ислеп шығарылған сәнесине көз жуўырттым. Расы менен де жарамлылық мүддети өткен екен. Шығындыда жатырған бир қуты сүт мениң өтмиштеги естеликлеримди еслеўиме мәжбүр етти...

Сол ўақытта балам енди алты айлық еди, тек ғана қолдан аўқатландырар едим. Жасалма сүттиң бир қутысының өзи пәлен сум. Бала өскен сайын аўқатының бир қутысы еки күнге жетпей қалады. Орташа есап пенен бир қуты сүттиң баҳасы еки килограмм гөштиң баҳасына туўры келеди.
Жас шаңарақпыз, тек айлыққа күн көремиз. Ата-енемизден бөлек жасағаннан кейин ҳәмме қәрежетлер өз мойнымызда. Азық-аўқат сатып аларда биринши нәўбетте баланың азығын алып аламыз. Айлық алған күни бала ушын бир неше қуты сүт алып таслаймыз да, өзимиздиң ишип-жеўимиз ушын арзымаған пул қалады.
Балам гейде таярлаған сүтти таўысып ишпей қалады. Аўысып қалған сүтти қайтадан ишкизиўге баламның ишин аўыртып аламан деп қорқаман. Күн санап өсип киятырған нәрестемниң томпыйған түрине қарап қуўанаман да, өзимниң бир ҳәптеден бери қазан аспағанымды умытаман.
Бир күни қарасам, қутының түбинде балаға еки мәрте ишкизгендей-ақ сүт қалыпты. "Ҳаў, және бир қутысы болыўы керек еди ғой!" деп шкафты әри-бери ақтараман. Жоқ! Мениң бар деп ойлап жүргеним - бос қуты екен! Усы пайтта мен ушын буннан артық бахытсызлық жоқ еди! Өзимди қолға ала алмай қалдым. Дәрриў әкесине қоңыраў еттим.
- Жумыстағылардан қарыз сорамаған адамым қалмады. Өзиң бир иләжын қыл,- дейди.
- Не иләжын қыламан? Бала еле басқа аўқат жей алмаса... Кеште аш болып жыласа не беремен?!
- Анасаң ғо, бир иләжын тап!

Баласы аш қалған ананың аҳўалын түсиниў қыйын емес. Әсиресе, бала еле айтқанды түсинбейтуғын кишкентай болса.
Анамның үйине шекем үш бәдирги жол еди. "Анамнан аламан," деп, баламды көтерип алдым да, пиядалап тартып отырдым. Төркиниме келсем, үйде анам жоқ екен. Усы ўақытта бир қуты сүт ушын қолымда бардың ҳәммесин бериўге таяр едим!
Жағдайымды әкеме айтыўға уяламан. Төркиниме келип болып, исенип келген анамның үйде емеслигин көрип, не ислеримди билмей қалдым. Я қайтып кетеримди билмеймен, бул жерде қалғаннан не пайда?!
Келгениме де еки сааттай ўақыт болды. Анам да келе қоймады. Сол ўақыт ишинде қас қарайып, қараңғы түскен сайын бойымды қорқыныш ийелей баслады. Күн батқан сайын "баламның сүтти таўсылып қалған соң, аш болып жыласа не беремен? Балам аш болады болып қалады-аў!..." Усы саўаллар мийимниң ишинде айлана берип, тесип таслады. Және ярым саат күттим. Анамнан дәрек болмады. Индемей бәндиргиге шықтым.

Сөз маржаны

08 Nov, 08:23


#Хәдис

Алты нәрсеге асығыў керек.

1. Бой жеткен қызды турмысқа бериўге.
2. Қайтыс болған адамды жерлеўге.
3. Ораза усласа - аўыз ашыўға.
4. Қарыз алса - қайтарыўға.
5. Кирлеген болса шомылыўға.
6. Азан айтылып атырғанда намаз оқыўға.
     
        Мухаммед с.а.у.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 07:13


#Пикирлең

ЖОЛАЎШЫЛАР

Сәлем меҳрибанларым! Екшемби күни балаларым әжесиниң үй бетине кетип, мениң бос ўақытым көп болғаны ушын машинам менен таксишилик етиўге шықтым. Ҳәр қыйлы адамлар ушырасты. Жол бойынша көпшилиги өзиниң күнделикли тирлигин айтады, және бир қатары өз ойы менен бәнт болып, айнадан сыртқа қарап отырады. Және бир қатар жолаўшылар телефонда үй-иши мәселелерин талқылайды.
Бул нәрселерди өзим қәлемесем де, бәрибир еситиўге мәжбүр болып киятырман. Солардың арасында итибарымды тартқан, ҳәм менде басқаша тәсир қалдырған бир ўақыяны айтып бермекшимен.

...Бир буйыртпаға бардым. Ерли-зайыплы үлкен чемодан алып шығып машинама отырды. Артынан анасы ҳәм үлкенли-кишили үш бала ерип шығып, ер адамды қушақлап хошласты. Барыў мәнзили халық аралық аэропорт ҳәм ҳаялды қайтадан үйине әкеп таслаўымды айтты. Жол-жөнекей олардың сәўбетлери қулағыма шалынды. Ҳаял күйеўин шет елге жумыс ислеп қайтыўға гүзетип қойыў ушын шыққан екен. Ҳаял жылап отырып, бир нәрселерди айтып атыр. Жүдә меҳрибан ҳаял екен. "Жыллы кийинип жүр, ўақтында аўқатланыўды умытпа" деп қайта-қайта айтып, ескертип атыр. "Және қайтадан мениң кеўилсиз күнлерим басланды," деп жылай баслады.
- Инабат, қойса, азырақ сабыр ет. Үй алатуғын ақша топласам қайтаман ғо. Соннан кейин сизлерди ҳеш қашан таслап кетпеймен,- деп ҳаялын жубатып атыр жигит. Тағы да бир нәрселерди айтты. Бирақ мен олардың өз ара жеке сәўбетлерин еситиўди қәлемедим. Сол ҳаялдың орнына өзимди қойып көрдим. Ишимнен жүрегим езилип кеткендей болды.
Аэропортқа жетип келдик. Олар уза-а-ақ хошласты. Машинаның арқа айнасынан қарап отырман. Еркек адам жыласа басқаша болар екен. Ол көз жасларын сүртип, күлиўге ҳәрекет етип атыр. Ҳаялын машинаға отырғызып атырып жигит:
- Үйге апарып таслаң,- деди. Машина орнынан қозғалғанда, "жақсы жетип алыңлар," деп артымыздан қол былғап қалды.

Қайтарда ҳаял дәрриў өзин қолға алды. Сумкасынан айнасын алып, шашларын, бет-аўзын ретке келтирди. Кейин телефонын алып биреўге қрңыраў етип:
- Қаяқтасыз? Ҳәзир гезлесейик,- деди. Енди оның даўсы алдыңғыдай муңлы емес, назлы ҳәм жумсақ еди. Ҳәтте, мультфильмлердеги мәстен кемпирлерге усап ҳаҳаҳалап күлип отыр.
Денем түршигип кетти. Шыны менен де бағанағы күйеўи менен жылап хошласқаны, оны қыймай, сонша сөз айтқаны өтирик болғаны ма?

Ҳәзир заман, техника раўажланып кеткен. Аўқатты буйыртпа менен алдырасаң, кийимди буйыртпа менен жеткизип береди. Оннан басқа нәрселерге де буйыртпа берсе болады. Ал бирақ, көз жасларына буйыртпа бергенди биринши мәрте көриўим!.. Буннан бирнеше минут алдыңғы мүләйим, меҳрибан ҳаял маған:
- Ипподромға айдаң, пулыңызды беремен! - деди. Артықша саўал бермедим. Тек ғана перзентлерин, жақынларын таслап, мүсәпиршиликтиң нанын жеў ушын өзге журтқа кетип баратырған жигитке жаным ашыды.
Ол ҳаял ким менен ушырасқанын билмеймен. Мүмкин, достысы шығар, мүмкин жақыны шығар?.. Ол жағы маған қараңғы. Жаман гүман қылмадым. Тек, сол өтирик сөзлер, өтирик көз жаслары ушын оны жек көрип кеттим.

"Таксичилар" каналынан
Г. Қуўанышбаева аўдармасы

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 06:10


#Тилек

Қәне еди, гүнәлар әсте жуўылса,
Қәне еди, шайтанлар жерден қуўылса.
Қәне еди, инсанлар бир-бирин сүйип,
Қәне еди, кеткенлер тез артқа қайтса.

Қәне еди,  адамлар арзыўға жетсе,
Қәне еди, қыянет жоғалып кетсе.
Қәне еди, Алладан бир саза келип,
Инсанның ҳәммеси Жәннетке кирсе!..

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 05:06


ҚЫЯНЕТ ЖАЗАСЫЗ ҚАЛА МА?

Мине, Қудияр менен Нуржамалдың турмыс қурғанынада саррас 22 жыл толды. Олар бул жылларда нелерди басларынан кеширмеди дейсиз?!
Жаңа үйленген күнлеринде олардан бахытлы адам жоқтай еди. Олардың мухаббаты күшли еди, небир қыйыншылықлар келседе жеңип шықты. Арадан ўақытлар өтти, олар перзентли болды, қуўанышларына қуўаныш қосылды.
Бир куни Нуржамал куйеуиниң қыянетин телефонда еситип қалады. Ол қалай десеңиз, оның күйеуи басқа районда жумыс ислейтуғын еди, телефонда екеўи сөйлесип отыр еди, "болады жақсы жатып турың," деп екеўи телефонды жабатуғын ўақытында күйеўиниң телефоны жабылмай қалады ҳәм Нуржамал: "күйеўим маған еле сөйлеп атыр ма, ҳаў ало ало," десе де куйеўи жуўап бермей, бирақ сөйлеп атырған еди. Ол тыңлап турды. Куйеўи машинада кетип баратырып, қасындағы қызға сөйлеп баратырғанын еситип, дунья көзине тар болып кетеди. Телефонның арғы жағында жүдә жағымлы гәплер айтылып атыр еди, бирақ ол Нуржамалға емес, куйеуи менен бир машинада кетип баратырған қызға айтылып атыр еди. Ҳаял адамға будан артық азап болмаса керек! Ол үндемей еситип отыра берди...
Сол куни 14-февраль сәнеси еди. "Жаным сен қәлеген ҳәмме затты қаладан алып киятырман, екеўимиз бир отдуши отырып белгилейик, севишганлар күнин!" деп атыр куйеуи сол қасындағы қызға. Қулласы, ол ўақытлары телефон арқалы сөйлесиў 40 минуттан үзилип қалар еди, сол 40 минут ишинде олар өз жумысларын питкерди. Өз ишине өзи сыймай кеткен Нуржамал куйеуине қайта телефон етти. Куйеуи телефонды көтере сала:
- Неуе?!- деп жекиринди.
- Қаяқтасаң, қасыңда ким бар? - деди Нуржамал.
- Ким керек еди, ҳешким жоқ! - деди Қудияр.
Нуржамал бар даўысы менен бақырып күни менен еситкенлерин айтты, бирақ күйеуи ҳеш мойынламады.
Соның менен Нуржамал бул мәселени шешип алыўға киристи. Иши өртенип журген Нуржамал сол өртениў менен куйеўине болған жек көриўшилик пенен жасы улкенлердиң мәсләҳәтин тыңлап, бирге жасаўды даўам етти.
Кеширим сораған адам: "буннан былайда кешире береди, қолынан не келди," деп одан бетерин қылады екен ғой. Қыянет изи даўам ете берди. Даў жәнжел болды, бирақ күйеўи уры ҳәм үстем келе берди. Ҳаялы оған:
- Қасымызда бол, мынаў не турмыс? Ерли-зайыплы турмыс қурған соң бирге жасаў керек емес пе? Бизлердики болмайды,- деп қайта-қайта айтыўына қарамай, куйеўи жумысын өзгертпеди. Ҳаял, бала-шағасының қасына келиўди қәлемеди.

Солайынша, өмири даўам ете берди. Арадан сегиз жыл өтип, олар екинши перзентли болды. Енди келер деп умитленген Нуржамалдың үмити және пушқа шықты. Сол қыянет, сол өмир, сол мухаббатсызлық даўам ете берди. Бирақ бир жери Нуржамал өзиниң хорланып атырғанын, ишинен жүдә бахытсыз, куйеуиниң итибарысыз өмир сүрип атырғанын ҳеш кимге билдирмес еди. Сырттан қарағанға Нуржамалдан бахытлы инсан жоқтай бул дуньяда! Ол барлық дәртин жүреги түбине көмген еди...
Нуржамал ендиги тағдири не боларына көзи жетпейди. Перзентлери де ер жетип қалды. Ол көп ойланғаннан денсаўлығынан да айрылып қалды.
Тек қудайдан Қудиярға инсап бериўин ғана тилейди...

Әсем Есенгелдиева
ҚМУ студенти

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 04:08


#Қайтар_дүнья

Перзентиңиз келешектте сизге даўыс көтериўин қәлемесеңиз - ҳәзир оған бақырып, сөгип сөйлемең!

Бала - айна сыяқлы. Сизден көргенин әлбетте бир күни сизге қайтарады...

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 03:15


ӘРМАН

Әрман ушқан көгилдир Әл - аспаным.
Ҳәўес еткен көп нәрсени жас жаным.
Жүрек толқып талай мәрте тасқынлап.
Жулдыз етип дил сөзимди шашқаным.

Бүгинлиги пысым қатты қурып жүр.
Өкпем исип, жүрек тез - тез урып жүр,
Жабысқақлар денемизге жабысып-
Барлы - жоқлы қанымызды сығып жүр .

Аласапыран алғаў - далғаў, арасат.
Әтирапым қам - Саналар қарасақ.
Қосық жазғым келмей қалды негедур.
Тил хәм көзлер жуўырып жүр , шаба - шап.

Қыялымда бийик таулар асқаным.
Талай - талай арзыуларды қушқаным.
Әрман етип өтер болсам егерде.
Аңсат емес маған және йошпағым.

Адамлардан излеймен көп кемисти.
Олардыңда әрманлары тең ушты.
Өз үстиңде исле оннан хәрекет.
Миннет етпес жигит еткен дер - Исти.

Талант пенен қосықларым байлығым.
Илхам келсе жарқырайды Ай - Күним.
Гәп - сөзлерге қулақ түрмей жум көзди.
" Етек пенен жабалмайсаң айды дым".

Жаман емес күн - көрисим, турмысым.
Желтип жүрмен бағымдағы гүл ушын.
Шүкир етип келейин бир тәўбеге.
Жаратқанға мына берген дем ушын .

Басып өттим талай жоллар, асырым.
Көрдим мине жаңа дүнья әсирин.
Тарийхта мен атым өшпей қала алсам.
Керек емес сөзлер айтыу жасырын.

Жараспайды енди бизге жас болмақ.
Тилек - тилеп жүрейин мың қос - қоллап.
Әўлад ушын қалдырайын сөзимди.
Керек екен - шын жүректен дос болмақ.

Бенде барма туўылған соң әрмансыз.
Әрманларға жетиў ушын дәрман сиз.
Жаратқан хәм ели - халқым қолласа.
Биргеликте шерткеймиздә тарлар биз.

Дүйсенбай Жолшымов.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

08 Nov, 02:51


Lepes Nurqasimov ft Madjo
"Аманат достым"

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

07 Nov, 17:01


#Қайырлы_түн

Әумет келсин өзиңизге,
Берекет берсин үйиңизге,
Меҳир берсин көзиңизге,
Күлки берсин жүзиңизге.

Тун тынышлығын берсин
Қудайым,
Уйқыңыз шийрин болсын иләйим!

     Жаңыл Назарханова.


     ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

07 Nov, 03:29


Өзимнен өткенин өзим билемен

Досларым бул дунья сыр сынаатлы,
Инсанбыз бәрине шыдам беремиз,
Тек жалгыз Қудайга сыйынып қатты,
Басқаларға билдирмеймиз, күлемиз..

Қудайымнан өзге жоқдүр бир панам,
Менде Жаратканның бир бендесимен,
Не бир сынақларда ауыр күнимде,
Өзимнен өткенин өзим билемен.

Қолларымда жүгим, жүрдим тайғақлап,
Нажет күтип, өмир дәрбентлеринде,
Ким дос болса жүзлерине жалтаклап,
Үмит ушкынлары бар журегимде.

Көрдим гей биреўдиң көзимше күлип,
Сыртымнан насақ сөз сайрағанларын,
Өмирде гезлесер екен түлкилик,
Дунья - бир кем екен, толмас кенары.

Жолға шыққан едим, белимди байлап,
Алдымда барына тәўекел етип,
Бүгин гүл теремен, бағымда сайлап,
Өткен кунлериме шүкирлик етип.

Барине сабыр да, шыдам да керек,
,Өмир шткеллери кыйнар инсанды,
Ҳәр бир белес асып, өткен кунинде,
Таныйсаң жакыннан, досты, адамды...

Гейде қарап турып дөгерегиме,
Көп күлгенди түсинемен, жүректен,
Бүгин толқып көпшиликтиң көзинде,
Өзимнен өткенин өзим билемен...

Узипа Бекмуратова.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

07 Nov, 02:44


Мақсет Өтемуратов
"Сүйип қалдым"

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

07 Nov, 02:00


АССАЛАЎМА  ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!

   Алҳамдулиллаҳ, бул күнге жеткизгенине шүкир!

    Дүньяда бәлент бир таў бар дейди,

   Ҳүрметиңиз сол таўдай бәлент болсын!

   Сол таўдың шыңында аппақ қар бар дейди.

     Кеўлиңиз сол қардай, аппақ болсын!

   Сол таўдың төменине түскенде көп жасыл аршалар бар дейди.

   Бүгинги саўапларыңыз сол арша ағашларының шақаларынан да көп болсын!

    Және төменирек түссеңиз таза булақ бар дейди

    Кеўилиңиз сол булақ сыяқлы таза болсын!

    Сол булақ жағасында узын жол бар дейди

    Өмириңиз сол жол киби узын ҳәм ийгиликли болсын!

   Иләйим, ҳәмийше Алланың панасында болың!

    ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 17:00


ҚАЙЫРЛЫ АҚШАМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!

    Басқалардың бахты сениң бахтыңды кемейтпейди
    Басқалардың байлығы сениң ырысқыңды азайтпайды.
    Басқалардың денсаўлығы  сениң саламатлығыңды тартып алмайды.

    Пәк бол, кең пейилли бол, мейиримли бол. Өзиңе раўа көргенди басқаларға да раўа көр.

    Кимге не тилесең еки ийиниңдеги периштелер:  "Өзиңе де, өзиңе де..."деп турады екен.

    Сизиң  басқаларға тилеген  жақсы тилеклериңиз өзиңизге де қабыл болсын!

    ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 15:33


ПАРАХАТ аға ҳәм
ЖАНСӘЎЛЕ әжапаға

музыкалық сәлемнама.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 15:01


#Қутлықлаймыз

Жаннан әзиз перзентлеримиз

     ҚОЖАНОВ
      ПАРАХАТ
     МАРАТ УЛЫ
     ҳәм келинимиз

       ЖУМАҒУЛОВА
         ЖАНСӘЎЛЕ
     ТИЛЕЎБАЙ ҚЫЗЫ!

     Сизлерди бүгинги
6 - ноябрь туўылған күнлериңиз бенен шын кеўлимизден қутлықлаймыз. Сизлердиң басларыңыз аман, баўырыңыз пүтин, денсаўлығыңыз мықлы, өмириңиз узақ, несийбеңиз мол, мәртебеңиз бәлент болсын! Өсирип атырған ул-қызларыңыздың рәҳәтин бирге көргейсизлер!

Ырыс-дәўлет үйлериңнен кетпесин,
Ашыў - душпан қанша қуўса жетпесин!
Ата-ана көздиң жасын сықпасын,
Келин шырақ тапқан пулын тықпасын! Үзилмесин бул үйдеги тойларың,
Егиз тапсын қорадағы қойларың!
Қызығын көриң қолыңыздағы баллардың,
Көзи шықсын көре алмаған қаслардың!
Усы үйде өсип-өнип, көбейип,
Қуўаныштан басларыңыз шықпасын! - деп

Әкеңиз: Марат
Анаңыз: Гүлбәҳәр
       қутлықлайды.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 15:00


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 14:16


#ҳикмет

   Бир инсан маған өзинде не нәрсе болса ҳәммесин маған берди. Мен оның есесине тек ғана "Әкежан!.." дедим..


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 13:00


Холодец қанды көбейтеди

Көпшилик адамар қан азлықтан, гемоглобин дарежеси төменлигинен қыйналады.
Күш - қуўатының болмай атырғанын, шаршаўдың себебинен деп ойлайды.

Әлбетте, гемоглобин дәрежесин көтериў ушын ең пайдалы тағамлардың бири – бул мал гөшинен сүйек (сиңиринен) таярланған холодец болып табылады.


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 13:00


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 10:35


ҚЫЗЫМ ҳәм КЕЛИНИМ..

- Илиястың сабақларын таярлатып атырсам, анаў қақпас кемпир қаяқтан тапқанын қайдем көйлек тигип бер,- деп бир таўарды әкелип тур. Қатты ашыўым келип бақырып-бақырып тасладым.
- Қатырыпсаң,- деп Серегүл апа қызын хошаметлеп шад-шадыман болып отыр. Анасының мақтағанына руўҳланған Зийўар сөзин оннан ары даўам еттирди:
- Бир күни күйеў балаңыз айлығын алып келип ҳәммесин анасына берип атырғанын көргеннен баслап мийин жеп жүрип ендиги айлығының ярымын маған бериўге көндирдим. Енем:
- Балам - аў бираздан берли байқап атырман, әкелип берген ақшаң бурынғысынан әдеўир аз ғой деп,- гәп баслап еди. Баласы:
- Буннан былай мен қанша берсем, соны ғана аласыз. Мен жас бала емеспен, шаңарақлы ересек азаматпан! - деп сөйлеп таслағанда ҳәз еттим ғо! - деп анасы менен шақалақ атып күлисти.
Шай ишип отырып та Зийўардың аўзы бийшара енесине қалай ақырет берип, үйден қуўып шыққанын майын тамызып турып айтыўдан босамады.
Серегүл апа қызы менен дәртлесип жүргенде жалғыз баласының отаў ийеси болатуғын жасқа жеткенлигин де байқамай қалды.

Арадан айлар өтип, Серегүл апаның шаңарағына да ийилип келин түсти. Бастағы бир жылда ҳәммеси кеўилдегидей болғаны менен бир улды дүньяға келтиргеннен кейин келинниң минези өзгере баслады. Баяғыдай не айтса бәрине "яқшы ене"деп туратуғын Салтанат жоқ. Мисли бир уўлы жыланға айланып баратырғандай. Серегүл апа да кейин ала келинине сөйлегенди де қойды. Себеби өткенде базардан бир таўар әкелип "шырағым, қолың саўа болғандай болса мына таўардан маған жеңилликке кийетуғын үй көйлек тигип берсең о" - дегени ушын келининен:
- Мен не сениң малайыңман ба? Ямаса маған ҳақы төлеп байытып отыр ма едиң?! Керек болса өзиң тигип ал усы кебиниңди! - деп ҳәттеки айтыўға адамның аўзы да бармайтуғын бираз сөзлерди еситип, жүреги аўырып емлеўханаға түсип қалды...

Жуўмақ: Сүринген мен бүлингенди сөз етпе, Сенде турсаң, мен де турман гезекте!
Ҳәр бир сөзимизди ойланып сөйлейик. Себеби алдынлары қылған ҳәрекетимиздиң жуўабын қырық жылда алсақ, ҳәзир қырық күннен де тез келеди.

Қуўанышбаева Гүлайым

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 08:01


ТЫҢЛАМАҢ!!!

  Басқалар ҳаққында жаман пикир айтатуғын адамларды тыңламаң!

   Кимдүр сизге қәлеген ўақытта, қәлеген себеп пенен қарсыласса, ол адамды тыңламаң.

   Өзиниң иси келиспеген адам сизге қалайынша байып кетиў ҳаққында айтса, тыңламаң!

   Өзи семиз, өзи шегетуғын шыпакер сизге қалайынша саламат болыўыңыз ҳаққында айтса тыңламаң!

   Өзи әўметсиз адам, сизге әўметке ерисиў ҳаққында мәсләҳат айтса, тыңламаң!

    Қәлеген өсек гәпти тыңламаң.

   Өзиңиздиң өзиңиз ҳаққыңыздағы жаман пикириңизди тыңламаң!


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 05:04


«ӘКЕМНЕН УЯЛАМАН…»

Ɵспиримлер менен жеке ислескенимде дерлик кɵпшилигиниң басқалардан жасыратуғын сыры барлығы мәлим болады. Әсиресе, шаңарақлық жағдайының тɵменлигинен, ата-анасының ким болып ислейтуғынынан (егер уборщица яки қараўыл болса) яки кийимлериниң ескиргенинен уялыў жағдайлары кɵп ушырасады. Бирақ, айырым ɵспиримлер ата-анасының денсаўлығы тɵмен болса (руўхый кесел яки нәгиран) яки әкеси кɵп ишетуғын болса теңлеслеринен уялып жасырыўға ҳәрекет етеди.
Әсиресе, қыз бала әкесиниң арақ ишкенин кеўилине жақын алады ҳәм ишинен ɵкпелеп жүреди. Досларының алдында әкесиниң мәс ҳалында кɵриниўин қәлемейди. Негизинде ул бала болсын, қыз бала болсын әкесиниң арақ ишип мәс болғанын үш мәртеден артық кɵрсе қәлби жарақатланады. Усы жарақаты себепли әкесине ɵкпелеўи күшейип кетеди. Теңлеслериниң ата-анасы менен салыстырып жүреди.
   Бундай жағдайда әкеси перзентлериниң жүзин төмен қаратып жүргенине, өзиниң ислеп жүрген ислерине итибар берип ойланыў керек.

  Сарбиназ Мусатдинова

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 04:45


#Даналар_нәсиятынан

    Үйиң - бул дүньядағы пейишиң.
    Пейишиң жәннетий болсын десең өзиңниң, үйиңниң азадалығын сақла.

Ўткир Ҳошимов.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 03:27


"БАЛАНЫҢ ИСИ" ДЕГЕН...

Ҳәптениң ақыры. Маржан жумыстан шаршап келди. Турмысқа шыққан қызы үш жасар ақлығын алып хабар алыўға келипти. Көптен бери келмеген қызын көрип қатты қуўанды Маржан. Ақлығын еркелетти, ойнатты. Ақлығы телефонына асыла берген соң, телефонды қолына берди де, қызы менен әңгимеге киристи...
Қонақлары қайтқаннан кейин, күни бойы қатты шаршаған Маржан дем алғанша асықты. Орнына жатып телеграмда не жаңалық деп телефонды ашса, бирге ислейтуғын Фатимадан оның атына хат келген екен.
"Әжапа, мен сизге не жаманлық қылып едим? Сизге қатты қапа болдым," депти.
Маржан ҳеш нәрсеге түсинбеди. Тезлик пенен мектеп топарына кирип еди, ол жерге Фатиманың жазғанын оқып, үстине биреў муздай суў қуйып жибергендей болды. Себеби, Фатима ол жерге: "Устазлар, мен "Өткир гепатит болдым" деп жазған екен. Оған жуўап ретинде кеше ақлығы "Зор!" "Гәп жоқ!" деген стикерлерди басып жиберип таслапты...

Феруза Салходжаева.
Г. Қуўанышбаева аўдармасы

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 03:01


ШҮКИР ҚЫЛ

Қуяш жалғыз, ай жалғыз бирақ,
Ашықлары миллиард кеўиллер,
Нурын шашар, миннеттен жырақ,
Қызыл, жасыл ашылар гүллер,

Жер баўырын ийдирер олар,
Ийилдирер алма шақасын.
Музлар ерип, дәрьялар толар,
Силкип қояр, таўлардың басын.

Билекте күш, баста ақыл, аң,
Мурынларды қытықлаған шаш,
Жүреклерге салар қозғалаң,
Ышқы ҳәўири, кең жазып қулаш.

Туўылар жайлаўда сур тери қозы,
Атылар вульканлар, булақ көз ашып,
Неге еримесин кеўилдиң музы,
Турса күн күлимлеп, ай нурын шашып.

Таңлар тыныш атса шүкир қыл,
Күнлер тыныш батса шүкир қыл.

     Раўаж Отарбаев

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 02:33


🎙Бахтияр Жуматаев
"Көзлериң
"

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

06 Nov, 02:01


АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!

    Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик,
Алҳамдулиллаҳ!

    Ең бахытлы инсан болыў ушын:

    Қуўанышымызға шүкир,

    Қапашылығымызға сабыр,

     Тилимизди зикир,

      Жүрегимизди меҳир
            толтырып алайық!

     Баслап атырған жаңа күниңиз қайырлы, берекетли болсын!
    Бүгинги сәршемби  күниңиз кеўилдегидей өтсин!
    Ҳәр бир ийгиликли исиңизге Алла яр, Қыдыр ата мәдеткер болсын!

      ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!!!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Nov, 17:01


ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

Бул өмирдиң биз шеше алмайтуғын түйинлер көп екенлиги рас. Бирақ гейде ойланып қараса, биз биле алмай адасып жүрген жумбақлардың жуўабы өзимизге жасырылған болады.
Түниңиз тыныш, уйқыңыз пүтин болсын қымбатлы оқырманларым!

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

05 Nov, 15:03


#Ҳикмет

Саған сынақ ушын берилген нәрселерди қабыллаўға таяр бол!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

27 Oct, 02:01


АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҲҮРМЕТЛИ "СӨЗ МАРЖАНЫ КАНАЛЫ" АҒЗАЛАРЫ!

Екшемби таңы ҳәммеге қайырлы болсын!

Ерте таңнан жақсы нийет пенен оянғанларға Алланың нуры жаўсын!
Ҳәр бир шаңарақта аманшылық, аўызбиршилик, денсаўлық, бахыт, берекет, несийбе ҳәм ҳәмийше әўмет болсын!

- Егер сен кимниңдўр өмириңде қалыўын қәлейтуғын болсаң, ҳеш қашан оған бийпәрўа қатынаста болма, - дейди
Ричард Бах.

Егер де сиз "Сөз маржаны" каналын оқыў менен ўақыт өткизиўди қәлейтуғын болсаңыз, каналымызды тәрк етпеңиз. Қуда қалесе қолға алған жумысымды тамамлаўға жақын қалдым. Сизлер менен пикир алмасыўды тез арада қайта баслаймыз деп ойлайман.

Ҳәммеге
ҚАЙЫРЛЫ КҮН тилеймен!


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 17:01


#Ескертиў

Ҳүрметли "Сөз маржаны" каналы оқырманлары!

Мен Қуўанышбаева Гүлайым басқа жумысларым шығып қалыўына байланыслы канал хызметин ўақтынша тоқтатып туратуғынымды ескертип қоймақшыман.
Каналымызға кейинги қосылған оқырманлар болса алдынғы салынған постларды оқып турыўларын мәсләҳәт етемен.
Мен ҳәзирги қолға алған жумысымды тамамлағаннан кейин сизлер менен каналымыз арқалы қайтадан өз жумысымызды даўам еттиретуғынымды еслетип қоймақшыман.

Ҳүрмет пенен:
Қуўанышбаева Гүлайым

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 17:00


#Қайырлы_ақшам

    Сиз бизесиз бе әзизим,  "Өз-өзиңди ҳүрметлеў - сени басқалардың ҳүрметлеўи ушын қойылған биринши қәдем".
      (Джонатан Тригелл.)

    Солай екен, биз ең алды менен өзимизди ҳүрметлеп, артықша көп  сөз сөйлемей, артықша ҳәрекетлер ислемей, өзимизди артықша шаршатпай, ишки дүньямызды ҳәм  сыртқы көринисимизди таза сақлап,  ўақтында аўқатланып, ўақтында уйықлаўды әдетке айландырғанымыз жөн екен.

    Ал, енди дем алатуғын ўақтымыз келди. Алла таалам ҳәммемизге түн тынышлығын инәм етсин!

    ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 15:14


#Сырлы_дүнья

     Чикаго қаласында бир шаңарақта он еки перзент дүньяға келген. Ең үлкени 113 жаста, ал  ең  кишиси 90 жаста.
1) Мануэл Перез - 113.жаста
2) Григорио Перез -109 жаста
3) Антонио Перез - 108 жаста
4) Сахара Перез -  101 жаста
5) Мануэла Перез- 97 жаста
6) Антонина Перез - 96 жаста
7) Глориа Перез - 95 жаста
8) Рахиел  Перез- 94жаста
9) Антониа Перез - 93 жаста
10) Маноло Перез - 92 жаста
11)Августин Перез- 91 жаста
12)Франсиско Перез-90 жаста

    Қандай бахытлы шаңарақ.
Дүньяға келген он еки перзенттиң бәри аман саў, тири. Бул туўысқанлардың усы жасқа келип, аман жүргениниң себеби олардың бир - бирине  болған баўырманлығы  хәм  меҳир мухаббатының кушлилиги  деп ойлайман.
   Мен де  бәрше оқырман заманласларыма  усы жасларды терең денсаўлығы менен бирге мазмунлы хәм шадлы өмирди несип етиўине тилеклеспен.

Интернет сайтынан таярлаған:
Гүлбәҳәр Қарабаева.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 15:04


#Сырлы_дүнья

107 жасқа шыққан ҳаял 84 жаслы қызына конфет берип еркелетип атыр. Ана бәрибир АНА...

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 14:17


"Қустар қайтып барады"

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 14:01


ҒАЗЛАР ҚАЙТЫП БАРАТЫР

Алты ай жаз, өтип кетти демде деп,
Бизлер өнип- өсип едик сенде деп,
Дүньяның жәннети туўған жерде деп,
Қыймай- қыймай, ғазлар қайтып баратыр.

Қайтып келемиз әлбетте бәҳәрде,
Деп жыйналып кетиўге таң сәҳәрде,
Ақырапта суўық урған мәҳәлде,
Ғыйқыўласып, ғазлар қайтып баратыр.

Әл аспанда шыр гүбелек айланып,
Туўған жерге қалған яңлы байланып,
Қубла тәреп бағдар алып шайланып,
Сап дизилип, ғазлар қайтып баратыр.

Алдыға умтылып созып мойынын,
Шеңбер жасап даўам етип ойынын,
Ана жер - көллерге толғай қойының,
Деп қыслаўға, ғазлар қайтып баратыр.

Қайтқанша бәримиз тегис саламат,
Арал теңизимиз... саған аманат,
Жаратқанға көрсет деп бир карамат,
Арзын айтып, ғазлар қайтып баратыр.

Ақшолпан Аманияз 15.10.2024 жыл

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 13:01


Шайҳалқас (завтрак) ушын пайдалы усыныслар

Шайҳалқас азанғы ҳәрекетлер дизиминиң тийкарғы бөлеги есапланады. Көпшилик адамларда шайҳалқас қабыл етпеў ҳәм нәтийжеде түслик ҳәм кешки аўқатты үлкен порцияларда қабыл етиў бақланады ҳәм нәтийжеде ўақыт өтип артықша дене салмағы ҳәм кейиншелли семириўге алып келеди.

Суўды таңда организм қанша талап етсе, сонша қабыл етиў мүмкин.
Шайҳалқасты суў ишкеннен кейин, 30 минуттан кейин қабыл қылыў лазым.
Таңғы дене тәрбияны шайҳалқастан алдын ислеў керек.
Кофени ерте таңда аш қарынға ишиў усыныс етилмейди.
Сүт ҳәм сүт өнимлерин қабыл етиў ушын шайҳалқас тап орны.
Қуўырылған ҳәм майлы өнимлерди түсликке қалдырыў тийис.
Шайҳалқас менюсында, әлбетте, қыяр, гешир, көк шөплерден бири болыўы керек.
Мийўелерди түсликте қабыл етиў тийис.

https://t.me/Soz_marjami

Сөз маржаны

15 Oct, 13:00


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 12:16


БАЙРАМЫҢ МҮБӘРЕК, АЎЫЛ ҲАЯЛЫ!

Мийнетте болып барлық қыялы,
Сыйыр саўып нан да жаўады.
Бес алтаўлап бала таўады
Байрам мүбәрек, аўыл ҳаялы!

Пахта терер етек-етек,
Таўық бағар кетек-кетек.
Қақлап қояр алма, ерик
Байрам мүбәрек, аўыл ҳаялы!

Ерине де берер көмек,
Атызында қаўын-қәмек.
Гуз айында жыйнаў керек
Байрам мүбәрек, аўыл ҳаялы!

Байрамыңыз келди бүгин
Болып атыр жыйын- терим.
Қутлықлайын мен де бүгин,
Байрам мүбәрек, аўыл ҳаялы!

   Жаңыл Назарханова

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 10:52


- Өзиңе ҳақ болсаң несине күйип-писесең? Адамлар айта береди. Егер сен үйде матам тутып отырып қалсаң онда да: "Әне, айыбын жасырыў ушын үйинен шықпай қалды," деп айтады. Саған бир сум пулды биреў әкеп бермейди. Балаларың ишемен-жеймен деп турыпты. Адамлардың сөзи ушын оларды қалай аш қоясаң? Күйеўиңнен ақша келип турса басқа гәп еди. Талабыңды қыла бер, адамлар айтып-айтып шаршаған соң өзлери-ақ қояды, - деди мениң тәшўишимнен хабардар болған әжапам.
Шыны менен де "қудайыма ҳақпан ғо," деп қайтадан базарға шықтым.
Бул өсек қайын ата-енелеримниң, қайнаға, қәйнимниң де қулағына тийип мени қыстаўға ала баслады. Оларға да ҳешқандай гүнәм жоқ екенлигин айттым. Бирақ олар маған исенди. Абайлы болыўымды ескертти. Бәринен асып түскени - бул өсек алыстағы күйеўимниң де қулағына жетип барғаны болды! Ол мени телефоннан сөге баслады. Оның айтқан аўыр сөзлерине шыдай алмай көпке шекем базарға шыға алмадым. Бирақ балам аўырып қалып, дәрилерине ақша таба алмаған гезлеримде алдын алып қойған кепкен мийўелеримди сатыў ушын базарға шығыўға мәжбүр болдым.
Сырт елде күйеўимниң талабы келиспей қайтып келди. Келе сала ҳеш нәрсениң анығына жетип алмай "Ажырасаман"ға түсти. Атам менен енем мениң сөзимди сөйлеп, баласына жағдайды түсиндирип атыр. Бирақ күйеўим көшедеги өсекшилерден еситкенине исенип, бизлерди тыңламады. Ақыры, бир-еки ай көзине көринбей турайын деп, балаларымды алып, әкемниң үйине барып отырыўдан басқа иләжым қалмады. Сол күни-ақ күйеўим келип, балаларды алып кетти. Арадан ўақыт өтип, балаларымды сағынып, әкемниң үйине алып келейин деп бардым. Бирақ есин билип қалған баллар үйренисип қалған үйимизден кеткиси келмеди:
- Өзимиздиң үйимиз жақсы, мама. Сиз де әжемлердиң үйине кетпей-ақ қойыңса,- деп жалынды. Олардың сөзи әкесиниң ашыўын басқан шығар деп, сол күни үйимде қалдым. Күни өз үйимизде қалдым. Күйеўимниң қопал сөйлегенлерин, мени орынсыз сөккенлерин еситсем де еситпегенге салып, итибар бермеўге ҳәрекет еттим. Күйеўиме өзимниң қандай жағдайда ислегеним, ата-енемниң не ушын маған исенгенин түсиндирдим. Ата-енем де мени қоллап турған соң күйеўим азмаз жибийин деди. Бизлердиң шаңарақты сақлап қалыў ушын атам мәҳәлле баслығына барып жағдайды түсиндирген екен. Ол да күйеўимди көшеде көрип қалған киси сыпатында ҳал-аҳўал сорасып турып:
- Келиншегиңе мың рахмет. Сениң жоғыңды билдирмей жуўырып-жортып жүрип, ата-анаңнан да хабар алып турды, балаларды да аш қалдырмады. Усындай ҳаялларымыздың қәдирин билиўимиз керек, қосшым. Сен де сырт еллерге бараман дегенди қойып, үйиңнен кирип-шығып дийханшылығыңды қыла бер,- деп ақыл-нәсиятын айтыпты.
Сонда да бәрибир, күйеўимниң кеўлинде гүман бар екенлиги билинип турар еди. Сол күнлери ишимнен жүдә қатты қыйналдым. Ҳақтан-ҳақ гәп-сөзге қалғаным ишимди өртеп күйдирер еди. Көпке шекем күйеўим де мениң менен суўық мүнәсибетте болып жүрди. Оның жоқ ўақтында балаларымның аш отырғанына шыдамай жуўырғаным ҳақысына усындай жалаға қалғаным хорлығымды келтирип, бир неше мәрте кетип қалмақшы да болдым. Егер ондай етсем балаларыма жәбир еткен боламан. Тисимди тисиме қойып, барлығына да шыдап, сабыр етиўди ойладым.

Ўақыт ҳәмме нәрсени даўалайды дегени рас екен. Күйеўим барлығын тексерип-тексерип ҳеш қандай дәлел таба алмағаннан кейин, жақыннан бери алдыңғы ҳалына қайтқандай болды. Демек, маған исене баслады деп кеўлим сәл тынышлана баслады.
- Егер, ҳақыйқаттан да ҳаялың натуўры қәдем басқан болса, оны жасыра алмас еди. Бәрибир түбинде әшкәра болар еди. Аўзына күши келмегенлердиң гәпи ушын жазықсыз ҳаялыңнан гүманланғандыңды қой,- деп, биреўлер ақылын айтыпты. Өсекшилерден қаншелли азап көрсем де, арамызда дурыслықты айтатуғын инсанлардың да бар екенлигине қатты қуўандым. Егер усындай жақсы адамлар болмағанда, шаңарағымыз бузылып кетиўи анық еди.
Мине, соннан бери арамызда билип-билмей аўзына келгенди айта беретуғын адамлардан көре, жанындағы адамлардың өмирине жаны ашыйтуғын адамгершиликли инсанларымыз көп болсын деп тилеп жүрмен....

Ўақыяны жазып алған:
Есенгелдиева Әсем

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 10:52


ШАҢАРАҒЫМ БУЗЫЛЫЎЫНА ЖОЛ ҚОЙМАЙМАН

(Бир жеңгемиздиң басынан өткен ўақыя)

Шаңарақтағы тынышлыққа, ерли-зайыплының арасындағы исенимге сая түссе, оны дүзетиў қыйын болар екен. Ең жаманы - еки ортада балалар жәбир шегип қалады.

Бизлердиң турмыс қурғанымызға он жыл болды. Еки баламыз бар. Турмысымыз жаман емес еди. Аўыллық жерде жасағанымыз ушын күн көрисимиз дийханшылықтың арқасында еди. Күйеўимиз екеўмиз бирге ислегеннен кейин табысымыз да жақсы еди. Мен ҳаял адам болғанымнан кейин атызда күйеўим менен теңдей жумыс ислеп, үйге келгеннен кейин де ҳәмме жумыс бир өзиме қарап турады. Шаршап келген ўақтымда "Қашан балаларым ер жетип, үй жумысларына жәрдемлесер екен?.." деп әрманлайман. Қыйналсам да кеўлим тыныш, балаларым жанымда, мийнет етиў менен бәнт болып жүрген деген жақсы екен. Былтырдан бери басымнан өткен ўақыялардан кейин сондай жуўмаққа келдим.

Жан қоңсымыздың еки баласы қоңсылас елде жумыс ислейди. Буннан бир жыл алдын сол үйдиң үлкен баласы мениң күйеўимниң класласы болғаннан кейин демалысқа бир келгенинде ол жақта жақсы табыс таўып атырғанын айтып досларына мақтаныпты. Соны еситкен күйеўим де сол жаққа барып жумыс ислеп қайтқысы келе берди.
- Мен де барып бир-еки жыл ислеп қайтайын. Бизлер де адамлар қусап машина минип жүрейик,- деп айта берди.
- Ҳаў, жақында ғана дийханшылықты жақсы жолға қойып алайық, деп жер сатып алдыңыз. Узаққа кетпей-ақ сол жеримизде ислей берейик-дә. Әйтеўир шүкир, мийнетимиз қолымызға тийип, табысымызға берекет кирип атыр,- дедим мен.
- Жерди ҳәзирше ийесине қайтараман. Сыртта ислеп келгеннен кейин қайтадан көбирек жер алып дийханшылық қыламыз,- деди күйеўим.
Оның пикиринен ата-енем де қайтара алмады. Соннан кейин үйдеги жыйнап қойған ақшамызды жол кирей етип, жорасына ерип сырт елге кетти. Бизлер үйде ата-енем менен бирге дийханшылық пенен айналыса бердик. Мийнетимиздиң арқасында күнделикли қәрежетимизге керекли табыс келип турар еди.
Күйеўим кеткенине еки айдан асты. Бирақ тийин-тебен жибермеди. Қысқа қарай тарыға басладық. Мен балаларымды анамның үйинде қалдырып, атыздан жыйнаған өнимлеримди базарға шығарып сата басладым. Ата-енем де жердиң тилин билетуғын адамлар болғаннан кейин ҳасылымыз да жақсы болған еди. Жыйнағанларымызды сатып ишип болғаннан кейин күйеўимнен пул келиўин күте басладық. Бирақ пулдан дерек болмады. Бир-еки мәрте қәйнимнен қарыз алдық. Оның да үйи, бала-шағасы бар. Өзимниң туўысқанларым да бир-еки мәрте жәрдем берди. Ағайинлерден сорай бериўге уялып атырман. Енди не қылсам екен деп ойлана басладым. Базарға шығып жүргенимде көрип едим, жанымдағылар затларды көтере баҳасы менен арзанына алып қалып, үстине қойып, отырып сатар еди. Тәўекел етип және базарға шықтым. Мийў-палыз өнимлерин көтере баҳа менен сатып алып, күни бойы базарда отырып сата басладым. Есаплап қарасам, үстинен жақсы пайда қалады екен. Бирақ ўақтымның барлығы базарда отырыў менен өтип атыр. Ҳаял адамға бундай тирлик аўырлық етер екен. Күни бойы балаларымды ойлайман. Арасында саўда болмай қалған күнлери кешке қалып кетемен. Сондайда бип-еки мәрте еки-үш үй арылаўда туратуғын таксиши қоңсымыздың машинасы менен үйге жетип алдым. Арасында азанда ерте мийўе алыўға шықсам да сол қоңсымыздың машинасына минемен. Мен ол ағаның адамгершилигин сыйлап, оны ҳүрмет етер едим. Соны көрген аўзына күши жетпейтуғынлар мениң үстимнен гәп тарқата баслады. Олардың айтыўынша, мен базарға шығып, бузылып кеткен қусайман. Бул гәплер таксиши ағаның ҳаялының қулағына тийип, үйимизге келип, маған аўыр сөзлер айтып кетти. Бул ҳаял күйеўиниң де мениң де айтқанымызға исенбеди. Күйеўи қасында болмаған ҳаялға жаман ат тағылыўы сәл жерде екенлинин мен сонда аңладым.
Енди мен өзимди не деп ақлайман? Ҳеш қандай натуўры ис қылмаған болсам?.. Неге адамлар билип-билмей ақтан-ақ жала жаўа береди екен?! Усындай жаланың кесиринен шаңарақлардың бузылып кететуғынын неге ойламайды екен?

Сөз маржаны

15 Oct, 10:02


Ана туралы терме

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 08:58


#Қарақалпақ_аңызлары

ХАНДЫ ЖУМСАҒАН ҲАЯЛ

Қарақалпақ хаял қызлары әзел әзелден сөзге дилуар, гапке шебер, астарлы мәниде сөйлеуге уста болған.
Өзиниң пайын биреуге бермейтуғын искер хам салдаманлы, турақлы, опалы, бар исти бәржай етип жайына қоятуғын, жауынгер хаял қызлар қаерде бар десе, "қарақалпақта !"деп биймалал жууап бере бериң, себеби бул хақ гәп!
Қылышбаз қызларымыз чемпион болып атырғаны сөзимиздиң ыспаты!

Мәселен, қыз жигитлер айтысындағы.

Қуда бала қалай қалай сөзиңиз,
Арғы жолда ийретилген изиңиз ,
Шаңқай тусте жас қызларды кемпир деп Қарауытыппеди еки көзиңиз,

Кемпир дегеним кеулиңе келмесин,
Сорпа алар деген еттиң есесин,
Кемпир демей мен не дейин қудаша,
Сурнигип аларсаңау,жигит кесесин,

.. Иркилместен өз жолыңа тусебер,
Сөз зая етпеймен ау сендей есерге..
деген қосық қатарларынан билсе болады.

Қулласы, жудә әййемги емес, жақынырақ, бирақ өткен бир заманларда сондай бир сөзге шебер хаял болған, алдына барған адам сөзден утылып, хаялдың айтқан жумысын бежерип, және "мениң утылғанымды хешким билмесин" деп устаман хаялға параға бир гузе алтын берип қутылады екен.
Лекин хаял адамның аузында гәп тура ма, бул сөзлер елден елге жайылып ханға барып жетипти.
Нешше дуркин адамлар келип пант жей берген соң, "мен бир өзим дасма дас айтысып көрейин қәне!"-, деп атқа минип жанына бир еки кеңесгөйин алып жолға тусипти хан.
Өзиниң тапқырлығы, хийлекерлигине исенген дә! "Уллы ханымыз, қойың бармаң, ол хаялдан утылып қалсаңыз дуйым журтқа кулки боласыз"-, деп маслахат берипти кеңесгөйлери.
"Яқ мен де қызығып баратырман, ол ким екен хәммени жумсап, лақылдататуғын!"-,, деп мушына бир тупирипти хан.
Бул хабар хаялғада келип жетипти.
"Келе берсин, келгенине пәнт жегиземен", деп таярланыпты хаял.
Соннан, қара уйдиң керегелериниң арасынан ханды көрип хаял дарриу шанаштағы тарысын бир дастурханға жайып отыра қалыпты.
Сырттан тасыр -тысыр етип ханның аяқларының дауысы еситилген уақта , хаял,
"-Хәй кимде болсаң сыртта келсап тур ала кел"-, деп суренлепти.
Хан албырақлап есиктиң сыртына суйеули турған келсапты алып кирипти, "майли не қылар дейсең " деп, батыр аңқау, ер гөдек деген ғо енди.
Қараса хаял алдында дәстурханы, бармақлары менен тарыны саумалап, отыр екен.
Хан келсап пенен есиктен кириуден , орнынан өрре турған хаял:
"-Өйбей уллы ханымыз, сиз екениңизди билмеппенғо, келсапты апарып қояғойың өзим аларман"-, депти.
Хан кери қайтып отаудан шығып келсапты жайына қойыпты.
Сыртта турған кеңесгөйлери,
"-Уллы ханымыз!
Бул не қылғаныңыз сөйлеспей атырып еки марте айтқанын қылдыңызғо! "-, десипти.
"-Яғай, солайма, хау!"-, деп албырақлапты хан.
"-Онда изимизге қайта берейик, сөйлессек шерменде болармыз, мына отаудың есигине еки гузе алтынды қалдырың!"-, деп қысынып терлеген хан ғырра изине қайтқан екен.
Соннан "Ханда болсаң келсапты ала кел!" деген сөз ауыздан ауызға тарап усы кунлерге де жеткен екен..
Билген аңызларыңыздан жазып турың дослар.
Бир рубриканы бийкар бағанадан бери хәр бир майда шуйдесине дейин айтып отырғаным жоқ
Сау саламат болғайсызлар!!

Узипа Оразбаевна.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 06:34


#Қәлб_сөзи

Ананың перзентине қойған муҳаббатынан да гөре күшли ҳәм ҳақыйқый муҳаббат табылмайды. Олар ҳәр күни аўҳалыңыз қандай екенин сорайды! Аналарыңызға жақсылық қылың! Ҳәзир имканыңыз бар. Айрым инсанларда бундай жақсылықлар қылыў имканы жоқ. Олар тек ғана: "Қәне енди анам қайта тирилип келгенинде еди, мен оған жақсылық қылсам!" деп айта алады.

Аҳмад Ийса Маъсараўий ҳафизаҳуллаҳ

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 04:27


ДҮКӘНШИ

Бул тарийх бетлеринде неше түрли ўақыялар, неше түрли инсан тағдирлери боямасыз, бүкпесиз жазылып қала береди екен-аў. Бул дүнья жалғаншы, оннан жақсы да жаман да, жас та ғарры да деми таўсылған гезде мәңгилик өмирге атлана береди деген сөзлерди жүдә көп еситкенбиз. Бирақ оның мәнисин түсингенимиз бенен түпки төркинине үңилип қарайтуғынлар шамалы.

Бизиң аўылымызда көптен бери азық-аўқат сататуғын жеке меншик дүкән бар еди. Дүкәнге жақын жердегилер ара-тура керек нәрселерин алып турады. Бирақ негедур оншелли баса-бас саўда болып атырғанын көрмеймиз. Бул дүкәнниң ийеси Турдыгүл апа азаннан кешке шекем дүкәнинде өзи турады. Үйинде тек бир баласы менен келини ҳәм еки ақлығы бар екенин ҳәмме биледи. Дүкәнге керекли затларын күйеўи менен баласы өзлериниң машинасы менен әкелип тәмийнлеп турады.
Турдыгүл апа адамлар менен онша көп ашылысып сөйлесе бермейди. Барған қарыйдарға сораған затларын да зорға көрсетеди. Бирақ мениң анам Турдыгүл апа менен жақсы тил табысады. Тазадан әкелген затлары болса:
- Мине, мынаў бүгин келди. Арзанлаў берейин, алып кетсейши, - деп турады. Гейде анам:
- Азғантай ақша алып шығып едим. Оған ақшам жетпейди, - десе де:
- Және бир келгениңде берип кетерсең, ала бер,- деп өзи ыдысқа салып услатып жибереди.

Бир күни кешки саат беслердиң шамасында сол дүкәнге анам мени де алып барды. Мен еле кишкентайман, бес жаслар шамасында болсам керек. Июль-август айлары шығар, күн қатты ыссы еди. Мийўелердиң әйне уўылжып писип турған ўақты еди.
Турдыгүл апаның баласы Тилепбай бақшадағы балаларын әкелип дүкәнине қалдырып:
- Мама, мыналар усы жерде қала турсын. Мен банкке барып келейин,- деп машинасы менен асығып кетип қалды. Бақшадан келген ул менен қыз дүкәнге кирди де:
- Апа, ғарбыз жейменн! Апа, сок ишемен! - деп қыйсаңлап жылай баслады. Турдыгүл апа сол гезде ақлықларының биреўи алмаға, биреўи помидорға асылып атырғанын көрип қатты ашыўланып кетти:
- Тоқта, тоқта деймен! Қолларыңызды жуўың, ҳайўанлар! Жүрегиңиз үзилип өлип баратырған шығарсыз, жалмаўызлар! Бизиң Тилепбай ҳәм буларды усы жерге әкелмей үй бетке апарып тасласа болады ғо! Аштан өлип баратырған шығарсыз, түге! Шық былай, кәне! - деп еки ақлығын сыртқа шығарып жиберди. Анам да дүкәннен керек затын алып, иркилмей кетип қалды.
Турдыгүл апаның өз ақлықларына айтқан сөзлери, қылған қылықлары елеге шекем көз алдымнан кетпей сақланып қалды.
Кейин билсек, Турдыгүл апа тек дүкәнде турғанда емес, үйинде де сондай тили ашшы ҳаял екен. Баласы менен келини соның үстинде көп ренжисип қалады екен. Ақыры жалғыз баласы үйиндеги урыс-керистиң кесиринен өз жанына қаслық қылып қайтыс болды. Баласының артынан көп узамай, әкеси де қайтыс болды. Турдыгүл апа да денсаўлығы болмай, дүкәнди ашқанды сийрекситти. Оның өт қалтасы аўырады екен. (Адамларға зәҳәрин көп шашатуғынлардың өти аўырады дейтуғын еди илимпазлар). Қаны қатты азайып кеткен. Және оның үстине онкологиялық кеселликке шалынған екен. Ол еки жыл емлеўханада жатып емленди. Бул гезде дүкәнди ашатуғын адам болмай, сыртынан еки қулып салып қойды. Бир күни түнде дүкәнине урлыққа түскенлер ишиндеги азық-аўқатлық затларының барлығын урлап кеткен.
Сол аўырғаннан еки жыл жатып, Турдыгүл апа қайтыс болды. Бирақ оны қәбирге қоятуғын гезде өзи менен бирге бир ғарбыз, ямаса бир түйир помидор алып кеткен жоқ...

Қуўанышбаева Гүлайым

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 03:01


ТАҢҒЫ ТИЛЕК

Ырысқыңыз пүтин наныңыз қалың,
Болсын саў саламат аманат жаның,
Деймен, жақсы тилек тилеп сизлерге,
Қутлы болсын халқым бүгинги таңың!

Қуўаныш ҳәм шадлық болсын жолдасың,
Ҳеш ким өзлериниң орнын жоймасын,
Тилекти жоллайын азийз заманлас,
Сизлерди Алланың өзи қолласын!

Ойлаған ойларың жақсылық болсын,
Бахыт әўмет келип басыңа қонсын,
Жақсы нийет пенен үйден шыққанның,
Мәртебеси асып ырысқы толсын!

Кеўилди ҳеш қашан қара баспасын,
Үйлерден берекет пайыз қашпасын,
Сизлерге жаманлық тилегенлердиң,
Ойлаған мақсети иске аспасын!

Ансатбай Каражанов

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 02:25


"Қыз жигит айтысы"

Бахтияр Жуматаев
Дилноза Исмияминова.

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

15 Oct, 02:00


АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ӘЗИЗЛЕРИМ!

     Рәббимниң мәрҳаматы менен берилген тағы бир жаңа күн бәршемизге мүбәрек болсын!

    Алла ҳәр бириңиздиң
Кеўлиңизден қәтержамлықты,
Жүзиңизден күлкини,
Шаңарағыңыздан берекетти,
Қалтаңыздан дәраматты,
Қәлбиңизден ийманды,
Тәниңизден саламатлықты,
Жүрегиңизден меҳирди,
Баўырыңыздан ақыбетти
ҳеш қашан айырмасын!

    ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!


https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

14 Oct, 17:00


Қайырлы ақшам, әзизлерим!

    Узын жиптиң де таўсылатығын ўақты бар дегендей, бүгинги күнимиздиң  де  ақшамына жетип келдик.

     Бир - биримизди сынай бериўди азайтып,  кеўиллерге аўыр тийетуғын сөзлерди тоқтатып, бир-биреўге меҳир-мухаббатымызды арттырайық!

      Дүньяда сондай адамлар бар, оларды ҳеш нәрсеге қарамай жақсы көресең.
        Джон Грин
    (Америкалық жазыўшы).

     Адамзат бир-биреўге түсинистик пенен қараса, ҳәмме нәрсениң де шешимин табады.

    Түн тынышлығында, пайызлы орныңызда жақсы дем алыңызлар, қәдирданларым!

    ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/Soz_marjani

Сөз маржаны

14 Oct, 16:30


~*~*~*~*~*~*~*~*~*~

      Кимде-ким ҳийлекерлик пенен киси ҳақысын өзлестириўди гөзлеп өмир сүретуғын болса,  ол өмириниң ақырына шекем  гедейлик пенен жасап өтеди.
    Себеби Алла таала Қуранда: "Егерде биреўге ҳарамлық ойлап дузақ қурылса, ол әлбетте ийесин  таппай қоймайды", делинген.

~*~*~*~*~*~*~*~*~*~

@ustaz_smanov

https://t.me/Soz_marjani