Kórgizbe qurallar @korgizbequrallar Channel on Telegram

Kórgizbe qurallar

@korgizbequrallar


Қарақалпақстан устазлары ушын керекли
📚 көргизбе қураллар
📚 сабақ исленбелер
📚 слайдлар
📚 сценарийлер
📚 тестлер
жәмленген каналға хош келипсиз.

Тәлим-тәрбияны раўажландырыўға биргеликте үлес қосайық!

Kórgizbe qurallar (Kazakh)

Kórgizbe qurallar көргизбе қураллар - бұл Қарақалпақстан устазларының керекли сабақ исленбелері, слайдлары, сценарийлері және тесттерін жинау үшін жасалған Telegram каналы. Бұл каналдың мақсаты - тәлим-тәрбияны раушандандыру және үлесін арттыру. Каналға қосылуға сіздерді өте қуаныштымыз. Жаздың бірінші қадамдарын жасау үшін көргизбе толғалар каналына қосылыңыз!

Kórgizbe qurallar

14 Jan, 07:01


Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!
Қәдирли Ўатанласлар!


Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгенлигиниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Бәршени дөретиўшилик ислерге руўхландыратуғын бийбаҳа байлығымыз – бул елимиздиӊ тынышлығы, миллетлер аралық дослық ҳəм халқымыздың абадан турмысы болып табылады.

Солай екен, ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып киятырған Ана-Ўатанымызды қәстерлеп-сақлаў, елимиздиң тынышлығын тәмийинлеўде сиз пидайы инсанлардың мийнетлериңиз айрықша.

Биз сизлердиң тымсалыңызда миллий армиямызға таўдай таяныш болып турған уллы руўхый күшти көремиз.

Әскерий тараўды раўажландырыў, оның күш-қудиретин арттырыў бағдарындағы жумыслар, халқымыз тынышлығын қорғаўдағы ийгиликли ислер "Халық пенен армия - бир пүтин" деген уллы идеяны әмелде тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!


Сизлерди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 33 жыллығы ҳәмде Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен қутлықлап, елимиз абадан, аспанымыз ашық, тынышлығымыз мәнги болыўын тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Ҳурматли Ватан ҳимоячилари!
Қадрли юртдошлар!


Сизларни, сизлар орқали бутун халқимизни Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучлари ташкил этилганининг 33 йиллиги ва Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан самимий муборакбод этамиз.

Барчани бунёдкорлик ишларига руҳлантирадиган бебаҳо бойлигимиз - бу юртимиз тинчлиги, миллатлараро дўстлик ва халқимизнинг фаровон ҳаётидир.

Шундай экан, ота-боболаримиздан бизга мерос бўлиб келаётган Она Ватанимизни асраб-авайлаш, юртимиз тинчлигини таъминлашда сиз фидойи инсонларнинг меҳнатингиз беқиёс.

Биз сизларнинг тимсолингизда миллий армиямизга тоғдай таянч бўлиб турган буюк маънавий кучни кўрамиз.

Ҳарбий соҳани ривожлантириш, унинг қудратини ошириш борасидаги ишлар, халқимиз тинчлигини сақлашдаги эзгу вазифалар "Халқ билан армия - бир тану бир жон" деган улуғвор ғояни амалда таъминлашга хизмат қилмоқда.

Ҳурматли Ватан ҳимоячилари!

Сизларни яна бир бор Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучлари ташкил этилганининг 33 йиллиги ҳамда Ватан ҳимоячилари куни муносабати билан табриклаб, юртимиз обод, осмонимиз мусаффо, тинчлигимиз абадий бўлишини тилаб қоламиз.

Аманбай Орынбаев
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube

Kórgizbe qurallar

14 Jan, 07:01


Qadrli yurtdoshlar, Vatanimiz posbonlari!
Maktabgacha va maktab ta’limi vazirligi tizimida munosib xizmat qilib kelayotgan yigitlar!


Sizlarni O‘zbekiston Respublikasi Qurolli kuchlari tashkil etilganligining 33 yilligi va 14-yanvar - “Vatan himoyachilari kuni” munosabati bilan samimiy qutlayman.

Yurtimizning tinchligi, sarhadlarimizning daxlsizligini ta’minlashda shubhasiz sizning ulkan hissangiz va mehnatingiz mujassam. Sizning mardonavor faoliyatingiz yosh avlod uchun ibrat maktabidir. Ayniqsa, o‘quvchi-yoshlarimizni Vatanparvarlik ruhida tarbiyalash yo‘lida ko‘rsatayotgan jonbozligingiz tahsinga sazovor.

Vatanni sevish, u uchun fidokorona xizmat qilish hamda har doim yurt koriga yarash uchun shay bo‘lish — bu insondagi eng ulug‘ tuyg‘ulardan biri hisoblanadi. Shu o‘rinda sizning sharafli faoliyatingiz har qancha faxr va ehtiromga loyiqdir.

Fursatdan foydalanib, barchangizga sihat-salomatlik, oilaviy xotirjamlik ona Vatanimiz ravnaqi yo‘lidagi xizmatingizda muvaffaqiyatlar tilab qolamiz.

Siz bizning iftixorimiz va ishonchimizsiz.

Bayramingiz muborak bo‘lsin!

Hilola Umarova,
Maktabgacha va maktab ta’limi vaziri

Kórgizbe qurallar

14 Jan, 07:01


#QUTLÍQLAW

Húrmetli Watan qorǵawshı er-azamatlar!

Sizlerdi Ózbekstan Respublikası Qurallı Kúshleri dúzilgeniniń 33 jıllıǵı hám "14-yanvar - Watan qorǵawshıları kúni" bayramı menen qızǵın qutlıqlayman.

Bársheńizge bekkem densawlıq, shańaraqlarıńızǵa amanlıq, juwapkerli jumıslarıńızda tabıslar tileymiz.

Bul kún xalqımızdıń birligi, ǵárezsizligi hám keleshekke bolǵan isenimin bekkemlewge xızmet etedi. Bársheni dóretiwshilik islerge ruwxlandıratuǵın biybaha ólshemlerden biri – bul mámleket qáwipsizligi, elimizdiń tınıshlıǵı, xalqımızdıń abadanlıǵı bolıp tabıladı. Solay eken, ata-babalarımızdan bizge miyras bolıp kiyatırǵan ana-Watanımızdı qásterlep-saqlaw, elimiz tınıshlıǵın támiyinlew – hár-birimiz ushın muqaddes parız bolıp tabıladı.

Sizlerdi jáne bir márte Qaraqalpaqstan Respublikası Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrligi jámááti atınan búgingi “Watan qorǵawshıları kúni” hámde Qurallı Kúshlerimiz dúzilgeniniń 33 jıllıq bayramı menen qızǵın qutlıqlaymız.

Húrmet penen

KOJABAEVA GÚLISTAN TALASBAEVNA
Qaraqalpaqstan Respublikası Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministri


Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
🔎Web   🌐 Instagram   🌐Facebook
Telegram   🌐Youtube

Kórgizbe qurallar

14 Jan, 03:54


"Тынышлық ҳәм әскерлер"

О, тынышлық! Қүдирет көп өзиңде,
Сен болғанда қәтержамман өзим де,
Батырларым жанын гиреўге қойып,
Сени қорғап күни-түни хызметте.

Тыныш елдиң шырағы бар басында,
Раўажы жолдас жүрер қасында,
Халқы басы бахыт қусы қонады,
Ол бар жерде шадлы үлкен- жасы да!

Нәзер салып қарағанда тарийхқа,
Мәмлекетлер тынышлығын сақлаўға,
Барлық күшин жумсар екен сарыплап,
Журт раўажын әмелиятқа қоллаўға.

Той - байрам да жарасады еллерге,
Тынышлықтан жаснап-жайнар жерлерге,
Билим алыў ушын және кереги,
Оны қорғаў миннетимиз бәршеге!

Атам қосқан дуўасына тынышлық,
Өзиңде бар пайызлылық ҳәм ысық,
Рәҳәтти көрип және жасаўға,
Сен болмасаң болмас ҳасла ерисип!

Аналардың тилегинде бары сен,
Бесик жырын ҳаййиўинде саз еткен,
Бол азамат Ўатаныңды қорғайтын,
Тынышлығым сақлайтуғын ер жетсең!

Жас әўладым өсиўине кереги,
Өмирдеги тынышлығы тиреги,
Шийрин жанын берип бәрҳә қорғаған,
Қырағылық етип журтым перзенти!

Байрамымды арнар оны әдиўлеп,
Тынышлығым қорғар олар қәдирлеп,
Ҳәр бир елдиң мақтанышы сизлерсиз,
Өзиңизди әлпешлейди қәдирлеп!

Байрамыңыз қутлы болсын әскерлер,
Ўатанымның тынышлығын қәстерлер,
Сизлер барда кеўилимиз қәтержам,
Халқың сизге өз ҳүрметин тәғдимлер!

Манзура Бауенова

Kórgizbe qurallar

14 Jan, 03:53


ЕЛИМ ДЕГЕН ЕР ЖИГИТЛЕР САЎ БОЛСЫН !

Ели ушын туўылады мәрт жигит,
Ўатаным деп ҳәтте жанынан кешип,
Мәртлиги ҳешқашан болмасын умыт,
Елим деген ер жигитлер саў
болсын.

Бүгин бесиктеги жатқан нәресте,
Ер азамат болар ўақыты жетсе,
Елин қорғар ел шетине жаў келсе,
Елим деген ер жигитлер саў болсын.

Елим жарасығы келешек әўлад,
Елге демеў болып, берер қолғанат,
Саўлатлы тулғасы сырт көзге айбат,
Ер жүрекли мәрт жигитлер саў болсын.

Халқым қуўанады көрсе ул перзент,
Шаңарақтың шамшырағы жанды деп,
Ата ҳәм анаға болыўшы тирек,
Қорғанымыз, азаматлар саў болсын.

Олар барда бийғам атар таңымыз,
Дәстурқанда пүтин болар нанымыз,
Қорғалады намыс пенен арымыз,
Арқа сүйер таўларымыз саў болсын.

Әдалатлық пенен басқарса елди,
Меҳири толқытса жүректе шерди,
Халқым деп түринсе билекте жеңди,
Туўры сөзли мәрт жигитлер саў болсын.

Мудамы ойлаған халықтың мәпин,
Жаслар уйып тыңлар төрели гәпин,
Төримде жарасық, саўлаты басым,
Ақ сақаллы аталарым саў болсын.

Ўатаным деп күйип-жанып жасаған,
Жүрмеген ҳешқашан буғып тасадан,
Ўатан қорғаўшылар болғайсыз аман,
Қалқанымыз, азаматлар саў болсын!

Алия Бекмағанбетова

Kórgizbe qurallar

14 Jan, 03:49


📚📚ЖИГИТЛЕР💐💐
👮‍♂👮‍♂👮‍♂👮‍♂
Ер деген атқа ийе болған,
Ислеринен кеўил толған,
Мәртликлери емес жалған,
Баҳадыр ғошшақ жигитлер.

Сөзлери бар жанға жағар,
Беллерине қамар тағар,
Ерликлери болмас санар,
Султан искер жигитлер.

Тәлимде гиреўли орны,
Билек күшли, тарраш қолы,
Мәртликке бай толы жолы,
Қаҳарман искер жигитлер.

Алдымызда аман болың,
Бәрҳа ашық айдын жолың,
Жеңислерден тасып-толың,
Шаңарақ сәни жигитлер.

Сизлерсиз аталық сәни,
Табыстың таўсылмас кәни,
Қутлықлаў сизлерге бәри,
Сөзимиз сөйлер жигитлер.


Тажимуратова Уримхан У.
6-январь, 2021-жыл

Kórgizbe qurallar

14 Jan, 03:46


14-январь ўатан қорғаўшылары күни менен бәрше әскерий хызметкерлерди , соның менен бир қатарда бәрше ўатанымыздың ҳәр бир пуқарасын шын кеўилден қутлықлаймыз.
Ўатанға қәўип туўылғанда оны қорғаў ҳәр биримиз ушын тек ғана конституциялық миннетлеме емес, бәлким шын азаматлық ҳәм инсаныйлық пәзийлет есапланады.
Елимиздиң тынышлығы жолында аянбай мийнет етип атырған бәрше Ўатан қорғаўшыларына беккем денсаўлық ҳәм жуўапкершиликли жумысларында тасқын-табыслар тилеп қаламыз!

Байрам бәрше ўатанласларымызға қутлы мүбәрек болсын!!!

Kórgizbe qurallar

14 Jan, 03:43


Ҳүрметли елимиздиң билимлендириў тараўында жүрген ер азаматлары. Байрамыңыз мүбәрек. Ҳәмийше шаңарақтың уйтқысы, тирениши, перзентлердиң үлги тутар әкеси, келешек әўладлардың үлгили устазы, елимиздиң қорғаны болып жүре бериң.
Ўатанды сүйиўши, ўатанды қорғаўшы, ўатан ушын хызмет ететуғын жеткиншеклерди тәрбиялап шығарыўдай ийгиликли ислериңизде табыслар болсын.
Бала-шағаңыз алдында аман болғайсызлар!

14-ЯНВАРЬ "ЎАТАН ҚОРҒАЎШЫЛАР КҮНИ" БАЙРАМЫ МЕНЕН ҚУТЛЫҚЛАЙМАН.
👮‍♂👮‍♂✈️🚀🛩🛬🚁

Kórgizbe qurallar

13 Jan, 14:42


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

13 Jan, 14:39


* Уатанын күни-түн қорғаған әскер *

Жигитлик намысы,бойында қалқып,
Жүрмеген мәсликке,берилип шалқып.
Топырақты атадан,билисип сарқыт,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер.

Тынышлық ығбалын,алладан сорап,
Түнлерин өткерип,таңларға қурап.
Халық алғысына,бөленип атыр,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер.

Сиз барсыз елимиз,тыныш-парауан,
Хәр күни,той-думан,шадлық-шараған.
Халқыма берекет,бахыт тараған,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер.

Пасбансыз жалғаған,ата үрдисин,
Бойына жәмлеген,жигерин күшин.
Сезинип алыстан,бөбек күлкисин,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер.

Жеткердим тилегим,усылай толғай,
Сиз барсыз елиме,тынышлық қонғай.
Бүгинги байрамың,мүбәрек болғай,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер!.

Қанназаров Сансызбай Кеунимжаевич

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

13 Jan, 14:38


ӘСКЕР.

Нөкис сити, Мойнақ сити,
Ҳәўиж алған қурылыслар.
Арқасында тынышлықтың
Жүз бермекте бурылыслар.
Тынышлықты сақлар әскер.

Илим-билим тараўында
Алдыға нық қәдем таслар.
Жоқ қорқыныш жүзлеринде
Еркин жәўлан урар жаслар.
Елди жаўдан қорғар әскер.

Ел парахат, балалардың
Жаңлар мудам шад күлкиси.
Дөнбей қәўип ана журтқа,
Қәтержамлықтың белгиси.
Шегарада тур ғой әскер.

Ўатан деген азаматлар
Жаўынгерликти атқарар.
Мейли жерден, мейли көктен
Дөнген қәўипти қайтарар.
Шегарамды қорғар әскер.

Күш-ғайрат бар билегинде,
Талқан қылар тепсе таўды.
Тынышлығы ушын елдиң,
Қуйылдырмай елге жаўды.
Ҳәтте, жанын берер әскер.

Фермер болып дийқанларым,
Жери менен тиллеседи.
Ал спортшы жасларымыз,
Дүнья бойлап беллеседи.
Елди қорғап турса әскер.

Урыс-қағыс болмағай деп,
Тилер тилек бабалар да.
Елим абат, аспан ашық,
Тыныш уйқлар балалар да.
Тынышлықты сақлар әскер,
Ўатанымды қорғар әскер.

Әбдиқадир ҚАЙЫПОВ

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

13 Jan, 14:37


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

13 Jan, 14:37


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

13 Jan, 14:37


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

13 Jan, 14:37


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

13 Jan, 14:37


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

12 Jan, 06:23


⚡️25 жыллық педагогикалық стажы бар педагогларға олардың маманлық категориясы аттестациядан өткерилместен бериледи

Министрлер Кабинетиниң 29.12.2023-жылдағы қарарына көре, педагогикалық жумысы бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп стажға ийе болған ҳәм де пенсияға шығыўына 5 жыл қалған педагог кадрларға олардың ийелеп турған маманлық категориясы (лаўазымы) аттестациядан өткерилместен бериледи.

☝️Аттестациядан өткерилместен маманлық категориясы берилетуғын педагоглардың толық дизими силтемедеги режениң 8-бәнтинде берилген: силтеме

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Kórgizbe qurallar

31 Dec, 11:44


Жаңа жыл тилеги.

Әмиўдарья толсын  ылай суўларға,
Қуўансын көз  түссе  көлде қуўларға,
Ай жарылқап, оң жағынан кун туўып,
Толыссын шаңарақлар қыз ҳәм улларға
Несийбесин өзиң әкел, жаңа жыл !

Зәўлим, бийик имаратлар салынсын,
Мәрт уғланлар мийнетке шын қарылсын,
Гөззаллық әлемине ышқысы кетип,
Жаўызлықтың жолы кем кем тарылсын,
Тынышлық болып кел  елге, жаңа жыл.

Туў алыстан көзге түсип бойымыз,
Космосқа уласып ақыл ойымыз,
Көкпар тартып, жас жигитлер қыз қуўып,
Жыйын теримнен соң қызып  тойымыз,,
Халық тайдай  туўлап турғай, жаңа жыл.

Сүрникпегей ығбал, ырыс кәрўаным,
Иске асқай кеўилдеги әрманым,
Қой устинен быйыл торғай жумалап,
Қанат жайсын  қумай қуслы дәўраным,
Берекетли жыл болғайсаң ,жаңа жыл.

Халқым шайпалмасын ырыс қазаның,
Көрмегеймиз кемтаршылық азабын,
Шалқып ушып, сарқып ушып шағала,
Айдын көлде шапшып турғай сазаның,
Аралға бир даўран келгей, жаңа жыл.

Гиннеске кирип тур  қара үйлерим,
Жылдан жылға жаман емес күйлерим,
Қарақалпақ, қазақ, өзбек, туркмен,
Туўысқанбыз десең бурар бүйрегим,
Дослық бесигине бөле, жаңа жыл!
.
Еңсем бийик,  жаңа Өзбекстанда,
Булбил киби сайрайман кең бостанда,
Арал бойы жасыл мәкан жылында,
Жеңис туўы  желбиресин аспанда,
Бахыт бағларына  басла ,Жаңа жыл!!

""Дослық көпиринде"" бийик өреним,
Табылады жаныңа не керегиң,
Мойнақта ""Ақ кемени"" айтпағанымда,
Ҳәзир  курорт мисли Қаратереңим,
Изин және жалғап жибер, жаңа жыл!

Ғыйт-ғыйтласаң ат болажақ тайларың,
Бирин еки қылды искер байларың,
Пүткил әлем гулистанға айланып,
Қарасаң көз тоймас салған жайларын,
Жолларға да бир  наўбет бер, Жаңа жыл!

Табыслар көп әдебият, илимде,
Үшинши реноссанс ҳәзир билимде,
Қосықларым дунья жүзин шарлайды,
Ҳаўаз бәлент, күш қуўат бар үнимде,
Тынышлық гимнин айтсам,  жаңа жыл!

Әжиниязға елтери тон кийгизип,
Юбилейин Юнескоға киргизип,
Пүткил түрки халықларын силкинтип,
Қарақалпақтың еки жеңин түргизип,
Дурилдетип той өткердик ,Жаңа жыл !

Кун -түн елдиң хызметинде басшылар,
Гүпшеклесер қапталында қосшылар,
Тыныш уйқылап пәр төсекте жатпаған,
Өзге елдиң үштен бири ""жоқшылар"",
Бул кунлерге шукирим көп, жаңа жыл.

Аппақ қарға орап аўыл аймақты,
Қаратаў жақ,Устирт кеңлик, ойпатты,
Оңынан ай туўып, аллам жарылқап,
Кеўли кең жазийра қарақалпақты,
Бахыт бесигине бөле, жаңа жыл!

Қаржы қоржыныңды молдан бөктерип,
Қолы келтелердиң қолын жеткерип,
Жылқысы бир таўға шықсын халықтың,
Қәдириңди  барлық жылдан өткерип,
Бир сақый  жыл болып кел  тез,  жаңа жыл..!


Гулистан Даўлетова.

27 декабрь 2024 жыл.

Kórgizbe qurallar

31 Dec, 07:04


#Jańa_jıl

Kórgizbe qurallar

31 Dec, 07:04


#Jańa_jıl

Kórgizbe qurallar

30 Dec, 05:35


"Келдиң-ғо сөйтип келеге, қызба, қарақалпағым
Беглигиңди еледе, бузба, қарақалпағым"!


Бул "Ёлка неге шөлкемлестирилген өзи?" - деген "диванный негативщиклерге" жуўап !
Перзентлеримиздиң қуўанышын көриўимиз ушын, олар менен мақтаныш етиўимиз ушын шөлкемлестирилген !

Каналға ағза болыў: @hoja_uz

Kórgizbe qurallar

30 Dec, 05:35


🌤 Ассаламу Алейкум!
Қайырлы күн жақсылар 🌱

☘️ Кеўилиңиз ийманға
☘️ Үйиңиз қуўанышқа
☘️ Жүзиңиз нурға
☘️ Күниңиз ийгиликли ҳәм саўаплы әмеллерге толы болсын.

Kórgizbe qurallar

24 Dec, 04:17


Elektron jurnal eMaktab.uz da 2-chorak baholarni chiqarish tartibi

2-9-sinflar uchun dars soati haftasiga 1 soat yoki 0,5 soat bo‘lsa, 2-chorak ustuniga 1- 2-chorak o‘rtacha ballarining o‘rtacha qiymati qo‘yiladi.

10-11-sinflar uchun dars soati haftasiga 1 soat yoki 0,5 soat bo‘lsa, 2-chorak ustuniga 1-2-chorak o‘rtacha ballarining o‘rtacha qiymati qo‘yiladi va yarim yillikka ham 2-chorak baholari qo‘yiladi.

2-9-sinflarda dars soati haftasiga 1,5 soat va undan ko‘p bo‘lsa, choraklik bahoga baholarning o‘rtacha qiymati qo‘yiladi.

10-11-sinflarda dars soati haftasiga 1,5 soat va undan ko‘p bo‘lsa, choraklik bahoga baholarning o‘rtacha qiymati qo‘yiladi va yarim yillikka 1-2-chorak baholarining o‘rtacha qiymati qo‘yiladi

O‘rtacha qiymatda 1,5 - 2,49 ball oralig‘iga 2 baho, 2,5 - 3,49 ball oralig‘iga 3 baho, 3,5 - 4,49 ball oralig‘iga 4 baho va 4,5 - 5 ball oralig‘iga 5 baho chiqariladi.

❗️ Eslatma: 1-sinflarga barcha fanlardan 1-2-choraklik baholar chiqarilmaydi, “OZ” belgisi qo‘yiladi. Chetga elga chiqib ketgan yoki darsga qatnashmagan o‘quvchilar uchun chorak baho ustuniga T/O belgisi qo‘yiladi.

Kórgizbe qurallar

24 Dec, 03:40


#gimn
https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

24 Dec, 03:39


✔️ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ГИМНИ
1993-жыл 24-декабрь (Жедди айының 24-сәнеси) күни тастыйқланды.
Сөзи Ибрайым Юсупов.
Намасы Наджимаддин Мухаммеддинов.

✔️STATE HYMN OF THE REPUBLIC OF KARAKALPAKSTAN
Approved December 24, 1993.
The author of the words is Ibraim Yusupov.
Composer Najimaddin Muhammeddinov.

✔️ГОСУДАРСТВЕННЫЙ ГИМН РЕСПУБЛИКИ КАРАКАЛПАКСТАН
Утверждён 24 декабря 1993 года.
Автор слов Ибрайым Юсупов.
Композитор Наджимаддин Мухаммеддинов.
#mámleketimiz_nıshanları
#gimn

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

24 Dec, 03:39


#mámleketimiz_nıshanları
#gimn
Namasın jazǵan:
N Muxammeddinov

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

24 Dec, 03:39


#mámleketimiz_nıshanları
#gimn
Gimn avtorı:
I. Yusupov

⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️
@korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

24 Dec, 03:39


#Gimn qisqa

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

24 Dec, 03:37


Бүгин декабрь айының 24-сәнеси Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни қабыл етилгенине 31 жыл толды

🗓1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XIV сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.

Бәрше ўатанласларымызды Мәмлекетлик Гимнимиз қабыл етилген күн менен шын жүректен қутлықлаймыз! Ҳәмийше Гимнимизди қолымызды көксимизге қойып толқынланып айтып жүриў несип еткей. Байрам мүбәрек!

Гимнниң сөзи: Ибрайым Юсупов;
Гимнниң намасы: Нәжиматдин Муҳаммеддинов.

Kórgizbe qurallar

21 Dec, 03:28


️Бүгин 21-декабрден 22-декабрге өтетуғын түнде ең қысқа күн ҳәм ең узын түн (17 саат) жүз береди.

Бул түн "Ялдо" туни деп аталады. Ел таныўшы илимпаз Билол Аминовтың жазыўынша, бурын Ялда кешелерин адамлар интизарлық пенен күткен.

Қыс күнлери ҳәр ҳәптеден-ақ гүрриң-гүрриң айтылып, дөгерекке жыйналғанлар ғазал оқыйды, бәҳрий-байт айтыў, аяқ ойын етип, қосықлар жырлатады, дуўтар шертип, кеўиллерди қыздырады.

👉 @Karakalpak24

Kórgizbe qurallar

20 Dec, 03:58


#Balalardıń_den_sawlıǵı_ushın_qáwipli_bolǵan_zatlar

⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️

@korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

20 Dec, 03:58


#Balalardıń_den_sawlıǵı_ushın_qáwipli_bolǵan_zatlar

⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️

@korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

29 Nov, 04:23


DASTANBEK MAXSETBAEV.
ANA TILIM.

1-Dekabr Qaraqalpaq tiline til biyligi berilgen kún.

Bayram qutlı bolsın ázizler!

Kórgizbe qurallar

29 Nov, 04:12


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

29 Nov, 04:05


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

29 Nov, 04:05


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

29 Nov, 03:53


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

29 Nov, 03:53


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

28 Nov, 09:20


АНА ТИЛИМ.

Артып таслап кеўиллерден киримизди,
Турайықшы қоллап бири-биримизди,
Тилсиз көриў қыйын болар күнимизди,
Қәстерлейик туўған ана тилимизди.

Өзге тил керек билгил тирилик ушын,
Ана тилиң керек билгил бирлик ушын,
Бар екенин көрсетейик тилдиң күшин,
Қәстерлейик туўған ана тилимизди.

Ана тилде сөйлең бәрҳә сөзиңизди,
Аңла халқым ким екенин өзиңизди,
Тилди жойтып алмаң ашың көзиңизди,
Қәстерлейик туўған ана тилимизди.

Ҳәр кимниң ана тили уллы саналар,
Тил миллеттиң көрки дер даныш- даналар,
Сонлықтан да ҳүрметли ата-аналар
Әўладларға жеткерейик тилимизди.

Ансатбай Каражанов

http://t.me/Ansatbai
https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

28 Nov, 09:20


Biraz tolǵanǵanım qaraqalpaqsha

Anam “háyyiw” aytqan márgiyamda sol,
Ullı babalardan qalǵan ullı jol,
Áwladlar jolına máńgi sadıq bol,
Sóylep turıp taza qaraqalpaqsha!

Tildiń mártebesi meniń mártebem,
Eń biyik mártebe, ullı mártebe!
Jasaw ushın bul mártebe máńgige,
Sóyleń! Tilde taza qaraqalpaqsha!

Insanıylıq atın aqlaw ushında,
Babalar miyrasın saqlaw ushında,
Batırlar erligin maqtaw ushında,
Sóyleń tilde taza, qaraqalpaqsha.

Biyik minberlerde ana til jańlap,
Berdaq, Ájiniyazdıń qılıp ruwxın shad,
Kórgenniń kewlinde bir háwes oyat!
Sóylep ana tilde qaraqalpaqsha.

Jas áwlad jetilip bul izimizden,
Danalıq úyrensin hár sózimizden
Mártebesi bálent bolsında bizden,
Alsın tárbiyanı qaraqalpaqsha.

“Ana tilim meniń ata-anam”-dep,
“Hám túbi bir shayqatılǵan shaqam”-dep,
Tilim óshse mende óship qalsam-dep,
Sóyleń! Ana tilde qaraqalpaqsha!

Tama tama kól bolar jıynalıp bári,
Millettiń belgisi bolǵan tilimniń,
Bolıń keleshegi, baxtı, ıǵbalı.
Mádeniyatlı sóylep qaraqalpaqsha.

Tilimizde ne joq, bári, bári bar.
Túlkishek, yaramazan, ótirik óleńler,
Bet ashar házili, Háwjar, Joqlawlar,
Dórelgen tek ǵana qaraqalpaqsha.

Ertekler, dástanlar, tolǵawlarımda,
Tariyxtan sóylegen danalıq aytıp,
Sol dana tilimdi súymessiz qáytip!
Súyip, taza sóyleń qaraqalpaqsha.

Qol jayıp pátiya bergende atam,
Birinshi mektepke alǵanda qádem,
Ullı ilimpazlar, akademik ustaz,
QMUda oqıtqan qaraqalpaqsha.

Sonnan biyik shıǵar búgin ıǵbalım,
Bir abadan eldiń baxıtlı qızıman,
Watanǵa muhabbat, ómir sabaǵın,
Úyrengenbiz dáslep qaraqalpaqsha.

Sonnan beri bolıp biraz asıwlar,
Shet tiline bawır basıp tasıwlar,
Baqshada “hellow”-dep shúldirlemesin,
Birinshi úyretiń qaraqalpaqsha!

Shet til muǵallimge jalınıp barıp,
Balamdı oqıt dep qoymastan talap...
Ana tili arqalı oyatıń dáslep,
Ilimge muhabbat qaraqalpaqsha.

Jazıp bilsin perzentińiz qátesiz,
Yaddan aytıp qosıqların Berdaqtıń.
Soń shet tilde táriyiplese, qanday maqtanısh!
Mazmunın dástanlardıń qaraqalpaqsha.

Al aytayın qádirli zamanlaslarım,
Ájiniyazdı bilmese búgin jaslarıń,
Úyrenbese Berdaqtıń “Shejire” dástanın,
Kim sóyleydi erteń qaraqalpaqsha?!

“Qaraqalpaq dástanı” tek bezew emes,
“Posqan el” sol uzaq ótmishten eles,
“Bul dúnyanıń kórki adam balası”,
Oqıyıq barlıǵın qaraqalpaqsha.

Mámleketlik til-bolıp atalıp tilim.
Ázel biyik etken mártebesin sol,
Asırayıq, joytpayıq qolǵa berip qol.
Keliń taza sóylep qaraqalpaqsha!

Kúnnen-kún rawajlanıp ketsinda zaman,
Mashinalar aspanda ushıp júrsinda,
Balamnıń aqlıǵı, shawlıǵı bári,
Qaraqalpaqsha, taza sóylep tursında.

Biyik bolsın mártebeń bunnanda tilim
Búgin seniń toyıń, yubiley kúniń
Belgilep 1000 hámde 2000 jıllıǵın
Qosıqlar dórelsin qaraqalpaqsha!

“Ana tilim sen basqadan ayırmam”
Hár ay, hár kún seni jırlaǵay xalqım.
Jerleslerim jetisip Marsqa ushsada
Álemge DAŃQ jaysın qaraqalpaqsha.

Milliylik, maqtanısh dáwranım bolıp,
Izi úzilmeytuǵın kárwanım bolıp
Alıs áwladlarǵa kópir, nárwanım bolıp
Tilim jańlay bergey qaraqalpaqsha!

Men shayır emespen tán alıp aytsam...
“Ana tilim sen basqadan ayırmam
Sen turǵanda men ádewir shayırman”
-dep qaharman babam aytıp ketkendey
Biraz tolǵanǵanım qaraqalpaqsha.

Nókis rayonlıq 15-sanlı mektep ana tili hám ádebiyat páni oqıtıwshısı Kabulova Bibixatsha.

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

28 Nov, 09:20


“ Insan degen attı bergen tilimseń”

Shayırlardı tolǵanısta terbegen,
Sózlerińnen insan kewli gúl tergen,
Mánawiyattıń sırın óziń tiregen,
Qádiriyatım jalǵız Ana tilimseń.

Nebir dilgir sóz sheberin jarattıń,
Bir awız jaqsı sóz eldi qarattıń,
Álemge rawshan nurın tarattıń,
Qarańǵını jaqtı eter tilimseń.

Óziń arqań sezimimdi aytaldım,
Janzatlardan parq bererim tán aldım,
Dúnyaǵa ózgeshe túrde qaradım,
“ Insan” degen attı bergen tilimseń.

Jıllı sóziń adamzattı quwantar,
Suwıq sóziń olardı tek jılatar,
Tárbiyalap páziyletler jaratar,
Milliy ádebimniń tajısań tilim.

El bar jerde doslıqtı sen tiklediń,
Táwbe etse olar kewlin páklediń,
Ádilliktiń tókken tánhá dártlerin,
Adamǵa kúsh-quwat berer tilimseń.

Dúnya gezsem qosımsha sen úyreter,
Sanamdı taplatıp oydı keńeyter,
Ózgege jaqsı ol deyip kórseter,
Jetikligim sebepshisi tilimseń.

Óziń joqta mende insan emespen,
Ayırmam joq qurı júrgen elesten,
Onsız jasaw múmkin deyip tirespeń,
Ózligim tiykarı Ana tilimseń!

Manzura Bauenova.

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

28 Nov, 09:20


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

28 Nov, 09:20


Ана тилимде

Илҳам суўсынларын симирип ойшаң,
Түнлерде телмирип жулдызға бақсам,
Қыял жетегинде толғатып мың сан,
Қосықлар жазаман ана тилимде.

Мәгар бул дүньядан аманат қайтса,
Қуран тилаўаттан тилеклер айтса,
Халқым өз тилинде еслесе, жойытса,
Руўхым шад болады ана тилимде.

Айралықтан кеўлим гүл киби солып,
Етек - жеңим сел - сел көз жасқа толып,
Егитилип, сыңсып, боз боран болып,
Жоқлаўлар айтаман ана тилимде.

Ең ҳасыл сөзлердиң астары менен,
Қол усласып бирге қостарым менен,
Дийдарлассам жақын досларым менен,
Гүлдей қулпыраман ана тилимде.

Ашықлық дәртинде аҳыў - зарым деп,
Гүл жамалын көрсем, шекер, палым деп,
Қулағына ярдың сүйип қалдым деп,
Әсте сыбырлайман ана тилимде.

Алтын билмей сабын пышақтың, жойтқан,
Әттең... кеўилин мен болсам муңайтқан,
Сағындым, әкемниң базыда айтқан,
Ҳәтте, кейис сөзин ана тилимде.

Пүткил денем қулақ болып еситсе,
Мисли мумдай балқып, еркелеп тек те,
Ырғатылды жаным алтын бесикте,
Анам ҳәйиўинен ана тилимде.

Көп заттан хабарсыз болған соң гөдек,
Не бир сөзге тилим гүрмелмей ҳә деп,
Өмир әлипбесин оқыдым дәслеп,
Шүлдир - шүлдир етип ана тилимде.

Базда Жайҳун киби қумайтып ақсам,
Базда саҳра болып қулазып атсам,
Базда қулпы дөнер гүл бағым, бақшам,
Тек те шын мәниде ана тилимде.

Самалда ойнаған жапырақ сылдырын,
Таңда түрли қустың жуғыр - жуғырын,
Мөлдир булақлардың сылдыр - сылдырын,
Ҳәз етип тыңлайман ана тилимде.

Гәҳи жылап, гәҳи күлсем де, бирақ,
Несип айдап елден жүрсем де жырақ,
Қанша тилди оқып билсем де, бирақ,
Мен еркин сайрайман ана тилимде.

Қаншама пайызлы ақшамда кешки,
Өжиремде жаңғырып Зийўардың сести,
Мен менен Күнхожа, Бердақ сөйлести,
Ақ қағаз үстинде ана тилимде.

Илҳам суўсынларын симирип ойшаң,
Түнлерде телмирип жулдызға бақсам,
Қыял жетегинде толғатып мың сан,
Қосықлар жазаман ана тилимде.

Автор : Азат Даўышбаев.

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

28 Nov, 09:20


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

28 Nov, 09:20


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

25 Nov, 16:21


ANA TILIMDE!

Analar baxtım der, bala degende,
Qanshama shekse de nala degendi!
Shayır, sen, eń dáslep "Ana" degendi,
-- Qaysı tilde ayttıń?
-- Ana tilimde!

Aldıńda ashılıp turǵan Álipbe,
Sol qunıqqan saatıńdı táriyple,
"Watan" degen sózdi úlken háripte,
-- Qaysı tilde jazdıń?
-- Ana tilimde!

T. Seytjanov

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

25 Nov, 16:18


Ana tilime Ibrayım Yusupov

Jıraw seni ba’ygi atınday baplag’an,
Sheshenler dawda shın’lap seni taplag’an.
Alpamıslar uran etip urısta,
Berdaq seni qural etip saplag’an.

Baytereksen’ o’sken go’ne tamırdan,
Dilwarlıg’ın’ qıl suwırg’an qamırdan.
Qaraqalpaqtın’ kewil qusı sayrasa,
So’z qıysını g’aziynen’nen tabılg’an.

Gu’lparshınlar bawırı ottay qamılıp
Qızlar sın’sıp mun’ın aytqan shag’ınıp,
Sen arqalı xandı jumsap qatınlar,
A’jiniyaz sayrag’an elin sag’ınıp.

Naqılların’, shag’ıp ko’rsem, man’ızdan.
Juwabıysan’ zeyin suwın ag’ızg’an.
Atam sag’an azamatlıq jan berip,
Anam sag’an miyrim su’tin tamızg’an.

Irasgo’ysen’ durısın aytqan an’qıldap,
Sahrayısan’ qattı dawıs shan’qıldaq.
Jalg’an so’ylep jag’ınıwdı bilmeysen’,
Sıbırlasan’ g’azlar u’rker g’an’qıldap.

Men ten’eymen seni jegen nanıma,
Uwız benen ruwhın’ sin’gen qanıma.
Es bilgeli til jatırqap ko’rmedim, Biraq sen dım jaqınsan’-aw janıma!

Sazg’a qossam, hawalag’an alasar.
İlme sultan sulıwlıg’ın’ jarasar. Qanday jaqsı ag’ayinnin’ ko’pligi! «Jaqınbız» dep sag’an ko’p til talasar.

Ana tilim, sen - basqadan ayırmam,
Sen turg’anda men de a’dewir shayırman.
Sonsha qatal su’rginlerde jog’almay,
Bul ku’nlerge jetkenin’e qayılman.

#qq_tili pán aylıǵı

⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️
https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

25 Nov, 16:18


АНА ТИЛИМ!

Миллетимди жария кылган,
Аймагымды колга алган,
Тариплеген рас-жалган,
Азада тил ана тилим!

Ели-халкын тарип еткен,
Данкы бугин кокке жеткен,
Ыгбалы жанды канша куткен,
Озлигимсен, ана тилим!

Сенин данкын артып хазир,
Тарипленип емес хазил,
Сен аркалы курып базим,
Ойдан артык, ана тилим!

Озинсен нагыз сап алтын,
Бересен пикирлер бантин,
Халыктын курып сен салтын,
Ардагында ана тилим!

Тажимуратова Уримхан Бозатау,14.11.2019-жыл.

#qq_tili pán aylıǵı

⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️
https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

25 Nov, 16:18


Ana tilim

Ana tilim - ar namısım,
Milletimnin’ aynası,
Ana tilim – tarıyxım,
Babalardın’ miyrası.
Ana tilim –o’zligim,
Milliyligim ol menin’. Ana tilim – ten’ligim,
Erkinligim ol menin’.
Ana tilim – xalqımdur,
Ana tilim – milletim.
Ana tilim – baxtımdur,
Ana tilim – qu’diretim. Ana tilim – maqtanıshım,
Ana tilim – baylıg’ım.
Ana tilim – keleshegim,
Ol o’mirim shadlıg’ım.

#qq_tili pán aylıǵı

⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️
https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

25 Nov, 16:18


Ana tilime "

Tariyxi ken ', o'tmishi uzaq,
So'ylep turg'an dana tilim,
Qaraqalpaq urpag'ina,
Miyras qalg'an Ana tilim. .

En' birinshi "Ana " degen,
So'zdi aytqan bala tilim,
"Watan " degen en ' birinshi,
So'zdi aytqan shala tilim. ..

Eseygende bilgim kelip,
Tariyxin'a na'zer saldim,
Ne bir su'rgin, dawillarda,
Qorg'an bolg'an , pana tilim. ..

Eldin' ju'zi- tili deydi,
Ju'zimizge shan' tu'spesin,
Ana tilim, ma'n'gi jasa,
Elim jaynap, gu'llensin

#qq_tili pán aylıǵı

⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️⤵️
https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

20 Nov, 09:32


▪️ 2025-жыл — «Қоршаған орталықты асыраў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланды

▪️ Жыл атында белгиленген ең әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәмлекетлик бағдарлама ислеп шығылады.

Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress

Kórgizbe qurallar

20 Nov, 09:31


📆 Конституция байрамы екшембиге туўра келгенлиги себепли қосымша дем алыс күни бериледи

Конституция байрамы күни (8-декабрь) екшембиге туўра келгенлиги себепли, Мийнет кодексине муўапық, дүйшемби қосымша дем алыс күни болады. Соған тийкар:

◦ 7-декабрь (шемби) – 5 күнлик жумыс кестесиндеги хызметкерлер ушын дем алыс күни, 6 күнликлер ушын жумыс күни;
◦ 8-декабрь (екшемби) – байрам күни, ҳәмме ушын дем алыс;
◦ 9-декабрь (дүйшемби) – қосымша дем алыс күни;
◦ 10-декабрь (шийшемби) – ҳәмме ушын жумыс күни.

👉 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!

Kórgizbe qurallar

19 Nov, 15:02


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

19 Nov, 15:02


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

17 Nov, 03:13


⚡️Бүгин, 17-ноябрь —Халықаралық студентлер күни!

Байрамыңыз қутлы болсын студентлер! Оқыўларыңызда әўмет яр болсын! Келешекте алдыға қойған мақсетлериңиздиң ҳәммесине ерисип, әрман еткен кәсибиңиздиң маманы болғайсыз!

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Kórgizbe qurallar

14 Nov, 15:54


O'zbekiston bayrog'i

Kórgizbe qurallar

14 Nov, 15:54


🇺🇿18-noyabr - O‘zbekiston Respublikasi davlat bayrog‘i qabul qilingan kun!

Kórgizbe qurallar

14 Nov, 15:54


Ózbekiston bayrogi videorolik

Kórgizbe qurallar

14 Nov, 15:54


O'zbekiston bayrog'i

Kórgizbe qurallar

14 Nov, 15:34


#tárbiya_saatı
#bayraq_súwreti
#mámleketimiz_nıshanları

@korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

14 Nov, 15:34


#mámleketimiz_nıshanları
#bayraq  #gimn  #gerb 
#buklet

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

14 Nov, 15:34


#mámleketimiz_nıshanları
#bayraq  #gimn  #gerb 
#buklet

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

30 Oct, 09:38


Бир көйлегим бар шым кесте,
Оны көрген ҳәўесте,
Жасы жигирма бесте.
Қаўын

Жерден шығар сайланып,
Алпыс бес күн толғанда,
Алдыңа келер таўланып.
Қыяр

Шығарында еки қулақ,
Үш айдан соң бир қушақ.
Ғарбыз

Көк өгизим көгинде жатып семиреди.
Ғарбыз

Кишкене ғана тандырша,
Иши толы шөрекше.
Ғарбыз

Өзи семиз мойны жоқ,
Териси қалын түги жоқ.
Ғарбыз

Есиги жоқ, әйнеги жоқ,
Иши толған бала.
Ғарбыз

Узын-узын әўлийе,
Оннан да узын әўлийе,
Тораңғылдың түбинде,
Тонқайып жатқан әўлийе.
Асқабақ

Пәлегинен туўдырған,
Алқымынан буўдырған.
Суўқабақ

Аспанға қарап аўзын ашқан,
Төменге қарап суўын шашқан.
Суўқабақ

Кишкене ғана бойы бар,
Қабат-қабат тоны бар.
пияз

Kórgizbe qurallar

30 Oct, 09:36


ПАЛЫЗ ЕГИНЛЕРИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН
ЖУМБАҚЛАР

Атасы баласын жүклейди,
Баласы атасын жүклейди,
Сойсаң қаны жоқ,
Шөжесиниң саны жоқ.
Қаўын

Баласынын ишинде,
Анасы жатыр.
Қаўын

Айтайын мен жумбақ сересинен,
Бес қала менен Түркистанның арасынан,
Қүдиретин тәбияттын көрмейсең бе,
Әкеси туўар екен баласынан.
Қаўын туқым

Көрсең көзиңди тындырады,
Жесен мийриңди қандырады.
Қаўын

Дузсыз пискен ас көрдим,
Домаланған тас көрдим.
Қаўын

Бир үйдиң ишинде үш көрпеше жыйыўлы тур,
Есиги де жоқ, тесиги де жоқ,
Қонақ келсе ашылар.

Қаўын
Көк ылағым гүўенде жатып семиреди.

Қаўын
Әкеси жасына жетпей-ақ,
Баласы базарға барады.
Қаўын

Саўысқан ала болады,
Шийрин-шекер жемиске,
Иши толған болады.
Қаўын

Kórgizbe qurallar

27 Oct, 18:05


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

27 Oct, 18:05


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

27 Oct, 18:05


Bu testni albatta yodlang!
https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

27 Oct, 18:05


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

27 Oct, 18:05


Pedagogik mahorat bo‘yicha bahorda tushgan testlar jamlanmasi
Yaqinlarga ham ulashamiz

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

27 Oct, 18:05


3.-PEDAGOGIK-KASBIJ-KOMPETENTLIK.pdf

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

27 Oct, 18:05


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

27 Oct, 18:05


                                                                   Pedagogik mahorat adabiyotlari 

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

27 Oct, 18:05


https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

24 Oct, 02:24


⚡️Барлық пәнлерден диагностика тестлер жүкленди

2024-жылдың екинши ярымында мектеп оқытыўшылары ушын өткерилетуғын аттестация алдынан барлық улыўма билим бериў пәнлери бойынша диагностика тестлери.

Өзбек тилинде: 👉 https://t.me/uztditestbot

Қарақалпақ тилинде: 👉 https://t.me/uztdi_qrtestbot

Рус тилинде: 👉 https://t.me/uztdi_rustestbot

Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress

Kórgizbe qurallar

21 Oct, 08:06


❗️Мектеплерде гүзги дем алыс ўақты жәрияланды

Улыўма билим бериў мектеплеринде 4-ноябрьден 10-ноябрьге шекем гүзги дем алыс бериледи.

🗓️ 10-ноябрьден гезектеги шерек басланады.

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

Kórgizbe qurallar

18 Oct, 05:19


Alım bolsań - álem seniki.

Bilim uyat emes, oqımaw uyat.

Ne oqıǵanıńdı emes,
Ne bilgenińdi ayt.

Oqıw - oy azıǵı,
Bilim - er azıǵı

Ilim - bulaq,
Aqıl - shıraq.

Bilegi kúshli birdi jıǵadı,
Bilimi kúshli mıńdı jıǵadı.

Oqıǵan ozar,
Oqımaǵan tozar.

Aqıl azbaydı,
Bilim tozbaydı.

Bilimniń kópligi joq,
Ónerdiń artıqlıǵı joq.

Jasta alǵan bilimiń,
Tasqa jazǵan xat penen teń.

Oqıy berseń kóziń ashılar,
Jata berseń uyqı basar.

Kitap bilim bulaǵı.
Bilim ómir shıraǵı.

Kúsh - bilimde,
Bilim - kitapta.

Mektep-keme,
Bilim - teńiz.

Bilim iyne menen qudıq qazǵanday.

Aqılı kámil, ilimi zor,
Bilimli el bolmaydı xor.
    Berdaq

Bilmegenin sorap úyrengen alım,
Arlanıp soramaǵan ózine zalım.
                                 A. Nawayı

Bilim menen baxıt jolı ashıladı.
Sonıń ushın ilimli bol, baxıt jolın izle.
   Axmad Yugnakiy

Az-azdan úyrenip dana bolar,
Tamshı-tamshı jıynalıp dárya bolar.
Alisher Nawayı

Ilimnen jaqsıraq ǵáziyne bolmaydı,
Qolıńnan kelgenshe tere alsań bolǵanı.
  Abu Abdulloh Rudakiy
#bilim haqqında

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 18:16


#Jol_qaǵıydası

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 13:55


⚡️ Emaktab.uz системасында шеклеўлер алып тасланды

📌 Тезирек қойылмаған баҳаларды қойып таслаң, болмаса тағы шеклеў қойылыўы мүмкин.

Еслетпе: Системада баҳаланбаған сабақ ушын оқытыўшыға ис ҳақы төленбейди.

👉15% қосылған ҳалда есаплаўшы @Oylik_hisoblaydigan_bot

Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 13:54


🤝🤝🤝 Assalawma aleykum, hurmetli ustazlar ham de oqiwshi jaslar!!!

👨‍🏫👨‍🏫🙎‍♀ Sizlerdi jana 2025-jil oqiw jili ushin Tayarliq kurslarimizga mirat etemiz.
Bizlerdin tayarlaw jonelisimiz Gumanitar panler:

📔 Tariyx
📔 Qaraqalpaq tili ham adebiyati
📔 Huqiqtaniw
📔 Majburiy panlerden

👉Abiturientlerdi Joqari oqiw orinlarina tayarlaw:

👉Usi panlerden MILLIY SERTIFIKAT:

👉 Mamleketlik Attestaciyaga tayarlaw:

👉 9-klass oqiwshilarin Temuriyler mektebi, IIV akadem liceyi ham Akademiyaliq liceylerge tayarlaw:

Milliy sertifikat ushin Abiturientler, Studentler, Ustazlar tayarlansa boladi. Sonin menen birge Ustazlar ushin mamleketlik attestaciya ushin tayarliq alip bariwlari mumkin.

Bizde:
Tajiriybe 20 jilliq
Milliy sertifikattan algan natiyjemiz 86 ball. [Usteme ushin]

Barshe sabaqlar nolden baslap uyretiledi.
Sabaqta kundelikli testler, Sertifikat ushin arnawli testler, blok testler, materiallar, tema tusindiriwler menen alip bariladi.

🏢🏢🏢 Manzilimiz: 1 sanli akademiyaliq licey qasindagi "Avto mektep" imarati ishinde.
Joldin boyi. Bagdar-QMU.

📞📞📞 Baylanis ushin tel:
+998907273405
+998933603005
📕🖌 Dizimnen otiw ushin
Telegramm:
@ibatovjaras

Qabillaw Avgust ayinin 20-sanesinen Sentyabr ayinin 15-sanesine shekem dawam etedi.
Bul 1 shi toparlar ushin.

2 shi toparlar Sentyabr 15 nen, Oktyabr 15 ne shekem dawam etedi.
Asigin 🪑🪑🪑 orinlar sheklengen.

Sabaqlarimiz OFFLAYN.
QOSIMSHA ONLAYN arnawli gruppalarimizda bar.
Tolemler kelisimli.


👇👇👇👇👇
https://t.me/QQTARIYX07

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 13:54


👆Миллий сертификатқа ққтилден таярланаман десеңиз хабарлассаңыз болады.
Абитуриент балларыңыз болса да хабарласарсыз.

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 13:54


Barshe sabaqlar nolden baslap uyretiledi.
Sabaqta kundelikli testler, Sertifikat ushin arnawli testler, blok testler, materiallar, tema tusindiriwler menen alip bariladi.


📞📞📞 Baylanis ushin tel:
+998907273405
+998933603005
📕🖌 Dizimnen otiw ushin
Telegramm @ibatovjaras

Группаға ағза болың
👇👇👇👇👇

https://t.me/QQTARIYX07

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 05:20


Муғаллимлерге материаллық жәрдем пулы қандай жағдайларда бериледи?

Нызамшылыққа бола, улыўма билим бериў мәкемелериниң хызметкерлерине материаллық жәрдем олардың мүрәжатына бола ямаса улыўма билим бериў мәкемелери кәсиплик аўқамы шөлкеминиң басламасы бойынша:

1⃣ айрықша жағдайларда, яғный жақын ағайини (әкеси, анасы, өмирлик жолдасы, перзенти) қайтыс болғанда;

2⃣ хызметкер ямаса оның жақын ағайини (әкеси, анасы, өмирлик жолдасы, перзенти) аўыр жарақат алғанда;

3⃣ аўыр кеселликке шатылғанда;

4⃣ хызметкер тәбийғый апаттан зыян көргенде көрсетиледи.

Демек, сиз аўыр кесел болып 10 күн емленгениңиз ушын материаллық жәрдем пулын алыўға ҳақылысыз. Егер материаллық жәрдем пулын бериўди бийкар етсе, районлық (қалалық) Әдиллик бөлимине арза менен мүрәжат етиўиңиз керек. Олар жағдайды үйренип шығып, сизиң материаллық жәрдем пулын алыўыңызға әмелий жәрдем береди.

👉 @Karakalpak24

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 05:20


❗️Нызамшылықта муғаллимлерге берилген айырым жеңилликлер менен танысың

🔹1-октябрь "Муғаллимлер ҳәм устазлар күни" деп белгиленген ҳәм бул күн байрам (дем алыс) күни есапланады.

🔹Балаларға тәлим-тәрбия беретуғын барлық педагог хызметкерлер турақлы түрде бийпул медициналық тексериўден өткериледи.

🔹Педагоглар ушын 56 күнлик жыллық ҳақы төленетуғын узайтырылған дем алыслар бериледи.

🔹Педагог хизметкерлер ушын жумис ўақтының даўамыйлығы ҳәптесине көби менен 36 саат етип белгиленеди.

🔹 Мектеп муғаллимлерине жумысты баҳалаў нормалары тийкарында 10 проценттен 40 процентке шекем, китапханашы ҳәм психологларға 10 проценттен 20 процентке шекем үстеме белгиленеди.

🔹 Пән олимпиадасының жеңимпазын таярлаған оқытыўшылар хошаметленеди.

🔹Муғаллимлер наўқас болып қалганда материаллық жәрдем бериледи.

🔹Олимпиада жеңимпазы болған муғаллимлерге 150 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Өзи сабақ беретуғын пән бойынша халықаралық тән алынған ҳәм миллий сертификатқа ийе болған муғаллимлерге олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

🔹"Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп" таңлаўының жеңимпазы болған мектепке ярым миллиард сум бериледи.

🔹Инклюзив класс муғаллимлерине 40 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Алыс аймақларда сабақ берип атырған муғаллимлерге 50 процентке шекем үстеме бериледи.

🔹Математика, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшыларға ақшалай пул сыйлығы бериледи.

🔹Көп жыллық стажға ийе педагоглар мәжбүрий аттестацияга тартылмайды.

🔹Халықаралық пән олимпиадаларын таярлаған оқытыўшыларға маманлық категориясы аттестациясыз бериледи.

🔹Республикалық пән олимпиадасы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлердиң маманлық категориясы бир басқышқа арттырылады.

🔹Медицина тараўы профессор-оқытыўшыларына емлеў-диагностика жумысларын орынлағаны ушын қосымша ҳақы төленеди.

🔹Билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери пәни муғаллимлерине айлық үстемелер бериледи.

❗️Оқытыўшылардың жумысына араласқанлық ушын жуўапкершилик бар.

👉 @Karakalpak24

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 05:18


Сабаққа кешигиў ямаса формада болмаў оқыўшыны сабақтан шығарып жибериўге себеп бола алмайды

Сабаққа кешигиў, оқыўшылар тәрепинен оқыў қуралларының алып келинбеўи ямаса мектеп формасының жоқлығы оқыўшыны сабаққа киргизбеўге тийкар бола алмайды. Билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процеси «нызамлылық, демократиялық, кемситиўге жол қоймаў ҳәм ҳүрмет» принциплерине тийкарланыўы керек, делинеди хабарда.

Сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 28-июльдеги 246-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Улыўма орта билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртиби ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары»на бола, муғаллимлер жәмәәт ағзалары ҳәм басқалардың шахсын, қәдир-қымбатын кемситиўи, оқыўшыларды сабақтан тийкарсыз шығарып жибериўи ямаса киргизбеўи ҳәм де қоңыраў шалынғаннан кейин оқыўшыларды класта услап турыў мүмкин емес.

НЕ ЖАҢАЛЫҚ

Kórgizbe qurallar

01 Oct, 05:39


#Архив_дереклеринен

МУҒАЛЛИМ

📜Муғаллим - ол артист, бирақ та,
Оған ҳеш ким қол шаппатламас.
Скульпторға да кетер усап,
Бирақ, оны баҳалаўшы аз.

Муғаллим - ол врач, бирақ та,
Елестирмес емлегенлери.
Мегзейди тап том-том китапқа,
Маңлайының терлегенлери.

Муғаллим - ол мийнеткеш адам,
Бинят болған қуяштан нурдан.
Өйткени ол - ҳәр бир баладан,
Жаратады ҳақыйқый инсан...

Толыбай Қабулов,
1990-жыл.

Kórgizbe qurallar

01 Oct, 04:48


1-октябрь Устазлар байрам қутлы болсын!
💐💐💐

https://t.me/korgizbequrallar