Теңиз хаққында баллада🌊 @sen_haqqinda Channel on Telegram

Теңиз хаққында баллада🌊

@sen_haqqinda


Теңиз ҳәм аспан...
- Шексизликтиң еки көриниси.

Сарбиназ Айтмуратова

Теңиз хаққында баллада🌊 (Kazakh)

Сізге мұны айтқымын: 'Теңиз хаққында баллада🌊' көкірек таң арқасында біздің аспан мен теңіз бойынша айналысқан бірдей балладаларды қамтиды. Бұл канал, сарбаз Сарбиназ Айтмуратова тарапынан үйретілген шексіз өркештейді. Қазақстан айдың қауырымсыз ерінісі мен аспанының күркінесі туралы сырлы балладалардың жазушысы Сарбиназ Айтмуратова, осы канал арқылы теңіз хаққында өз байланыстарын бөліседі. Сіз де оларды тыңдау үшін жүйеге кіруді сәтсіз алмайтынсыз. 'Теңиз хаққында баллада🌊' каналына кіруді ұмытпаңыз!

Теңиз хаққында баллада🌊

18 Oct, 10:20


Sen menen erteńim ne bolar, qaydem.
Bilgenim búginnen baslawim kerek 💫

✍️ Sàrbinaz Aytmuratova

Теңиз хаққында баллада🌊

16 Oct, 20:36


#рахмет

**Сен аўырма!
Сен аўырсаң аўырады жүрегим...*

С.Айтмуратова
🎤И.Даукенов

https://t.me/idblogs

@sen_haqqinda🍁

Теңиз хаққында баллада🌊

13 Oct, 18:53


Pryemyera 😍



Октябрь.
****
Кулгишлериң кешегидей ядымда,
Сени таптым ең бир сада уағымда,
"Суйдим" дейип турғаның бар дауыслап,
Айлы тунде тереземниң алдында.

*
Бир сөз демей арзыуларға басладың,
Бахыт тәреп бирге қәдем тасладық,
Ядыңдама, қол усласып жургенде,
Бир басқаша еди Нөкис ақшамы...

Кунлер сууық, жерлер аппақ қар еди,
Пәк мухаббат, ийманымыз яр еди,
Фонарикли көшелерде жулдызлар,
Биз бар едик. Хәм арзыулар бар еди...

*
"Сулыуым" деп шақыр десем "яқ" дедиң,
Ашыуланып турып алдым, кетпедим.
Сонда кулдиң "сулыулар көп дуняда,
Ал, сен жалғыз еркеғана тентегим!"

"Бир кул қәне, тақатым жоқ жасыңа,
Айланғайман бәхәриңе жазыңа,
"Султаным" деп арнап айтқан сөзиңди,
Алмаспайман мың бир қыздың назына..."

****
Октябрь. Келесең-я? Куткеним?
Қәлбим еле аңламапты кеткениң,
Гузги бағда сени еслеп кулимлеп,
Бугин жалғыз гезип журер тентегиң...

Сарбиназ Айтмуратова
Октябрь.2020ж

@sen_haqqinda

Теңиз хаққында баллада🌊

11 Oct, 12:04


#япон_философиясы

Балаңызға 5 жасқа шекем Қудайға қарағандай қараң
5 жастан 15 жасқа шекем қулыңызға қарағандай қараң.
15 жасынан кейин өзиңиз бенен тең шахсқа қарағандай мүнәсибетте болың.

@sen_haqqinda

Теңиз хаққында баллада🌊

11 Oct, 12:01


#сабақтан

Бизиң жәмийетимизде ең үлкен қәтелигимиз "адамлар мен ҳаққымда не ойлайды" деген түсиникке бағыныңқылы екенимиз.
Негизинде, "мен озим ҳаққымда не ойлайман" деген түсиникке әмел етиўимиз керек.

@sen_haqqinda

Теңиз хаққында баллада🌊

10 Oct, 04:36


***
Инәми болғандай жаратқан хақтың,
Мен бугин бир гоззал мухаббат таптым.
Өткерип жибермей хәзирги бахтым,
Бугинги кунимде жасауым керек.
**
Жағыста турыппан, теңизде толқын,
Суулары жағымлы, хауасы салқын.
Өтмишти умытпай, ертеңнен қорқып,
Хәзирги кулкимди тоспауым керек.

Суйенген тауым бол дауылдан қорға,
Қосық айт. Тунлерди таңларға жалға.
Мехиримди сезинип, мехириңди арнап,
Ең жақсы елеслер топлауың керек.

Ярына ышқ толы арзыулар әйлеп,
Шәрт солай ким кулип кимлердур куйген...
Сен менен ертеңим не болар.... қайдем...
Билгеним, бугиннен баслауым керек.

Сарбиназ Айтмуратова
Август.2022ж

@sen_haqqinda⚘️

Теңиз хаққында баллада🌊

05 Oct, 09:46


Октябрь.
****
Кулгишлериң кешегидей ядымда,
Сени таптым ең бир сада уағымда,
"Суйдим" дейип турғаның бар дауыслап,
Айлы тунде тереземниң алдында.

*
Бир сөз демей арзыуларға басладың,
Бахыт тәреп бирге қәдем тасладық,
Ядыңдама, қол усласып жургенде,
Бир басқаша еди Нөкис ақшамы...

Кунлер сууық, жерлер аппақ қар еди,
Пәк мухаббат, ийманымыз яр еди,
Фонарикли көшелерде жулдызлар,
Биз бар едик. Хәм арзыулар бар еди...

*

"Сулыуым" деп шақыр десем "яқ" дедиң,
Ашыуланып турып алдым, кетпедим.
Сонда кулдиң "сулыулар көп дуняда,
Ал, сен жалғыз еркеғана тентегим!"

"Бир кул қәне, тақатым жоқ жасыңа,
Айланғайман бәхәриңе жазыңа,
"Султаным" деп арнап айтқан сөзиңди,
Алмаспайман мың бир қыздың назына..."

****
Октябрь. Келесең-я? Куткеним?
Қәлбим еле аңламапты кеткениң,
Гузги бағда сени еслеп кулимлеп,
Бугин жалғыз гезип журер тентегиң...

Сарбиназ Айтмуратова
Октябрь.2020ж

@sen_haqqinda

Теңиз хаққында баллада🌊

24 Sep, 13:03


#Kúndeligimnen

Ózin ańlaw - hámme mashqalanıń sheshimi bola aladı. Ómirde negizi mashqala joq. Mashqala bar, biz ózimizdi, ómirdi ańlay almay qıynalsaq ǵana. Qalǵan bárshesi biykar, bárshesi ótkinshi.
Bizge berilgen hámme sınawlar ańlawımız ushın, jaqsı juwmaq shıǵarıwımız ushın. Biz qashan túsinip jetsek, sol waqıt hámme mashqalalar óz - ózinen tarap ketedi. Sonda ótken ómirge, eleslerge, biykar tókken kóz jaslarıńa mıyıq tartıp qoyasań. Biraq biz sol dáwirdi álbette jasap ótiwimiz kerek, sonda ǵana ańlaymız, jol tabamız. Sonıń ushın qılǵan qátelerińizge, ushıraǵan qıyınshılıqlarǵa qanday bolsa, sonday turıp beriń, qılǵan islerińiz ushın ókinbeń. Eger sol waqıt bunıń bárshesin ańlaǵanda onday qılmas edińiz. Tek ǵana shıraylı juwmaq shıǵarıp bilseńiz jetkilikli...
Bunı ómirdiń haqıyqıy qaǵıydası dep bilemen. 

Men tek jeke pikirim menen bólistim. Juwmaq shıǵarıw ózińizge ayan!

@Moldir_tamshilar

Теңиз хаққында баллада🌊

10 Sep, 06:45


📣📣 ВНИМАНИЕ! 📣📣📣📢📢

С СЕНТЯБРЯ

АКАДЕМИЯ МОЛОДЫХ УЧЕНЫХ👩‍🎓🧑‍🎓

Для школьников:

В каждую группу принимаем только 14 учащихся!

Подготовка к Президентской школе 
Подготовка домашних заданий (русский язык, математика, английский язык) 
Математика и логика 
Ментальная арифметика 
Английский язык для детей (Kids English) 
Русский язык 
Немецкий язык 
General English 
Английский язык (Multilevel)

Для подробной информации обращайтесь по номерам: 

📱 913804040
975077755

Адрес: Кум ауыл
Ориентир: детский сад "Happy time"


📩 @ElmuratovnaT

@Ilimiy_maqala

Теңиз хаққында баллада🌊

03 Sep, 04:02


*
Сизди жақсы көрген инсанларды алдайтуғын дәрежеде сезимсиз болмаң.
Басқасын дурыслаўға болады.

@sen_haqqinda🍁

Теңиз хаққында баллада🌊

03 Sep, 04:01


***
Бираз күт,
Арқаңа қайт ҳәм умытқанларыңды есле!
Жоғалтқан болсаң изле,
Ренжиткен болсаң кеўилин ал,
Қапа болған болсаң кеширип жибер.
Кейин бир тойып нәпес ал да,
келген жериңнен даўам етебер.
Себеби, өмир дым қысқа...

@sen_haqqinda🍁

Теңиз хаққында баллада🌊

03 Sep, 04:01


**
Алисинен басқасына жүз бурмаған Фотимани табыў ушын,
Фотимасинан басқасын көзи көрмеген Али болыў керек.!


@sen_haqqinda🍁

Теңиз хаққында баллада🌊

10 Aug, 21:11


#Самарқанд
Базы да алысларды жақсы көремиз.
Ишинде қәлбимизге қәдирли инсанымыз бар болғаны ушын...

Ертең жаңа күн. Сени жақсы көремен. Жақсы түслер көр...

@sen_haqqinda

Теңиз хаққында баллада🌊

10 Aug, 13:18


***
#бахыт

Базыда соншелли бахытлы екенлигиңнен бул ҳаққында басқаларға айтыўға да қорқа баслайсаң...

@sen_haqqinda🌺

Теңиз хаққында баллада🌊

08 Aug, 17:52


Сағынбай ИБРАГИМОВ

Туп - туўры келип,
туўры қайтасаң.
Қайтатуғынлығыңа қайылшылығым жоқ.

Қутқарып қал мени
мына дийўаллардан,
Аполлинерден қутқарып қал -

тирийектен,
басқа ҳаяллардан...

Байрам ет өмиримди -

үзилгенинше үзилсин нерв тамырлары,
бир бет ақ қағаздай жайылып қалсын
гүмилжи нәрселер арамыздағы.

Сонда өмиримизде байрам болады -

мен, шикарда жүрип адасқан аңшы,
булақтың бойында ушыратып қалып,
суў ишип атырған күним қолыңнан.

Сонда өмиримиз байрам болады -

сен маған исене алған күниңде,
сен маған еркелей алған күниңде,
мен өзимди таба алған күнимде.

Мениң еле сен көрмеген
Салдамлылығым керек -
Сениң оянып киятырған
еркелегиң керек.
Январ, 1981.
Москва

Теңиз хаққында баллада🌊

04 Aug, 14:07


Assalawma aleykum. Videoda doktorantlardın' "Ilimiy jumıs (PhD) jazıw " kurs haqqindag'ı pikirleri...

Avgust ayındag'i gruppamız ushın qabıllaw dawam etpekte....

"Jas ilimpazlar akademiyası"

Jobadan avtoreferatqa shekem sizler menen birgemiz!

Usı kursqa qatnawdi qa'lewshi doktorantlar diqqatına
Avgust ayina jazilsan'iz boladı,sebebi keyingi kursımız oktyabr ayında boladı.

7 izleniwshi dizimnen otti

6-avgustta baslanadı sabaqlar har kuni saat 16:00de boladı

12 sabaqtan ibarat.
10sabaq Dissertaciya ha'm Avtoreferat
1sabaq ilimiy maqala jaziw
1sabaq o'z dissertaciya teman'iz u'stinde baslag'an ilimiy jumisın'ızdı analizlew





@ElmuratovnaT
  975740193
@Ilimiy_maqala

Теңиз хаққында баллада🌊

13 Jul, 13:59


-Meni sag'indin'ba?
-Awa, sag'indim qatti...

@sen_haqqinda

Теңиз хаққында баллада🌊

26 Jun, 17:58


#Рахмет

Сен аўырма❤️‍🩹

Avtor ✍️ Sárbinaz Aytmuratova
Оқыған 🎤 Ислам Даукенов

https://t.me/idblogs
@sen_haqqinda

Теңиз хаққында баллада🌊

24 Jun, 18:44


#сен_ҳаққыңда

Рахмет қолларымнан тутқаның ушын...💕🧿

@sen_haqqinda

Теңиз хаққында баллада🌊

23 Jun, 07:49


#китаптан
**Әмелге асады деп ойламайман-да, бирақ қылған қәтелерин, ашқан жараларын сиз айтпасаңыз да өзлери аңлайтуғын инсанлар менен жолыңыз кесилисиуин тилеймен...*

Мирач Чағри Оқтош "Төсиқларга қарамай севдик"

@sen_haqqinda