Өзбекстан футбол төрешилер орайының қәнийгелери жаңа мәўсим алдынан басқышпа-басқыш Суперлига ҳәм Про лига командаларының базаларына барып, төрешиликтиң заманагөй қағыйдалары бойынша толық түсиниклер берип өтиўи ҳаққында хабар берип едик.
Бүгин клубымыз Өзбекстан футбол төрешилер орайы қәнийгеси Олим Абдувосилов келип футболшыларымызға ойынның жаңа қағыйдалары бойынша кеңнен түсиниклер берип өтти. Футболшыларымыз өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.