Neueste Beiträge von Кеўилге Жол🪁 (@keuylge_zhol) auf Telegram

Кеўилге Жол🪁 Telegram-Beiträge

Кеўилге Жол🪁
Хәуескер шайыра
Оразбаева Мукарраманың жеке каналы🪔
Поэзия хәм Лирика мениң журегимде🤍✨
"Сезимлер көзден емес қәлемнен төгилсин"🪶

Админ;
@saparbayevna_f
4,261 Abonnenten
659 Fotos
359 Videos
Zuletzt aktualisiert 09.03.2025 01:04

Der neueste Inhalt, der von Кеўилге Жол🪁 auf Telegram geteilt wurde.

Кеўилге Жол🪁

08 Mar, 15:25

694

Ассалаўма әлейкум әзиз ўатанласлар. Бүгин биз ушын жүдә ажайип күн. Уйимиздиң периштеси, мехрийбан жанлар, шаңарағымыз уйтқысы болған ақ жаўлықлы аналарымыздың, ажапа-қарындасларымыздың, қурбы-қурдасларымыздың байрамы. Усы байрам менен бәрше ҳаял-қызларымызды 8-март "Халықаралық ҳаял-қызлар күни" байрамы менен шын жүректен қутлықлайман. Ҳәмийше бахтымызға саў аман болғайсыз.

Төмендеги қосығымызды бәрше аналарымызға арнайман!
Анажан..

Өмир дигирманы айланып ғыр-ғыр,
Өткерсе туйектен ҳәр күни бир-бир ,
Жоқ екен өзиңнен өзгеси билгир,
Нәсият сөзлери мәдет, анажан.

Дүзеп шыйратылған өмирдиң жибин,
Арқаладың сонша тағдирдиң жүгин,
Бәри көз алдыма келген соң, бүгин ,
Ақ қағаз қаралап турман анажан.

Ақ жуўып ақ тарап балалық гезден ,
Айтпастан кеўилде не барын сезген ,
Қызғанып ҳәттеки самалдан ескен,
Келгенсиз әлпешлеп бизди анажан.

Еркелик... Ойыншық еткенде талап,
Суўықта күткенбиз айнадан қарап ,
Қыс күни базардан сумка арқалап,
Бәри сизлер ушын дейсиз анажан..

Енди қалғандаймыз демде ержетип,
Әдет уйге келиў базда кешлетип..
Ашылғанда есик әсте сылт етип,
Келдиңбе жан балам дейсиз анажан.

Тусип ойынына бир йошлы саздың,
Келген жаслайымнан қосықлар жазғым.
Назлы сәнемлерге арнаўлар жаздым,
Бирақ сизге жазбағанман анажан...

Бахыт қайда десеңизлер егерде,
Бахыт көкте емес билсеңиз жерде?.
Ким дейсиз? Мен айтсам  ол бир периште,
Уйдеги периште өзиң анажан!.

Әбдирахман Зергер
@zergerqosiqlari
Кеўилге Жол🪁

08 Mar, 09:54

904

Әзийз хәм әдиули хаял🌸
Хәр куниң, өмириңниң хәр деми байрам болсын! Қууаныш хәм шадлық, бахыт хәм берекет тумарың болсын!
Әтирапыңа, әлемге мийрим-шәпәәт улесип журиуден тоқтама!
Байрамың мубәрек!

Хурмет пенен Мукаррама🌸
Кеўилге Жол🪁

07 Mar, 17:25

1,326

Мен анаман.

Мен анаман!!!
Уқсамайман ҳеш кимге,
Мухаббаттан шәмензар бар көксимде,
Әлпешлеўди балалықтан үйренип,
Мәзи, ана болыў ушын өстим бе?.

Мен анаман! Саўыт кийген сабырдан,
Меҳир аққан алпыс еки тамырдан,
Әжел аўызы - толғақ атлы саўаштан,
Еки жанды алып шыққан батырман.!

Бийреҳимлик маған сирә жат еди,
Ана болыў!  Ҳақтан келген хат еди,
Киши ўатан - Шаңарағым ең уллы,
Ең қәдирли тебериктей зат енди.

Жолға салып ерке минез ашыўды,
Туўарғанман тәшўишлерден қашыўды,
Жақты дүнья маған берген мәртебе,
Нәрестемди баўырыма басыўды.

Нийетли жан - бул күнлерди көриўден,
Зәрре ғәрез болмасын ҳеш кеўилде,
Бәрше бала саў-саламат туўылсын,
Бир тилерим Жаратыўшы Тәңирден.

Аналық бул шәпәәттиң дереги,
Ғәрезсиз ел, тыныш заман тилеги,
Бар әлемди бесигиме сыйдырып,
Ҳәййиў айтып қушақлағым келеди.

Мен анаман.!
Саўыт кийген сабырдан.!

Мукаррама Оразбаева
2023.22-дек

https://t.me/keuylge_zhol
Кеўилге Жол🪁

07 Mar, 17:11

1,211

ҲАЯЛҒА ҲҮРМЕТ

Қыз өссе елдиң көрки санағанбыз,
Олар ушын талай қосық қурағанбыз,
Бәримиз де Адам ата қостары –
Теберик Ҳаўа енеден тарағанбыз.

Қыз әўладын кызғыштай қорып өстик,
Қарындастың бурымын өрип өстик,
Есимде жоқ, ессизлерше қай заман,
Еркек боп ҳаялларды урып өстик?

Базда болғанды бираз урыс-қағыс,
Жарасық жақсы, не керек жақ жарыс,
Муштың зардабынан көгерген көзди,
Қуралай көз деп қалай айталамыз?!

Айдай жүз болар ма көз жасы жуўса,
Не керек бас байлық перзентлер туўса,
Мәзи еркек атын көтерип жүрсең,
Сен үйде жатып, қатының пул таўса.

Ҳаяллар өмирдиң мазмуны, сәни,
Ҳаял болған бабалардың ураны*
Автобуста жүкли ҳаял тик турса,
Онда бар еркектиң қурығаны.

Шашы узын, ақылы келте десип,
Еркеклер өсек айтар үймелесип,
Ҳаялға қол жумсар қорқақ илажсыз,
Билмеген соң еркек болып төбелесип.

Қыздың жолы қылдан нәзик, аңласақ,
Қандай азаматпыз қызды хорласақ,
Төртиншиде әкемизди қуўантып,
Үш шақырса анамызға бармасақ.

Билим алсын, контракт па, төлейик,
«Папа, көйлек» десе алып берейик,
Бийкешин жаманласа қоса сөгип,
«Қарындасшыл» аға болмай өлейик!

Шабазым деп күтер жумыстан келсең,
Нең кетти, концертке билет әперсең,
Аўылдан қартайған анаңды алып,
Бир шалқытып, кеўиллерин көтерсең.

Үйге қамай бермей сен жолдасыңды,
Қыдыртып тур хотлап базда машынды,
Буўылған гүл берсең, бере ғой бирақ,
Көрсетпе түйилген тастай мушыңды.


Түсиндирме:
* «Ҳаял уран болған екен». Бердақ. «Шежире».


А. Дарменов,
25.09.2024.

@Allayar_Darmenov
Кеўилге Жол🪁

07 Mar, 17:01

1,169

Заманласым Сахибжамал Сырғабаеваны Шын кеуилден қутлықлап, бәлент пәруазлар тилеймен! Хәмийше ел алдында суйикли шайыры болып, бәлент пәруазлар менен халқына қизмет етип журебергей! Хаяллық бахытын хәм камалын тилеп қалыушы ыхласбенти Мукаррама! 🌸
Кеўилге Жол🪁

07 Mar, 16:56

1,230

Жас шайыр Саҳибжамал Сырғабаева сыйлықланды

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы, жас шайыр Саҳибжамал Сырғабаева Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Саҳибжамал Түркменбаевнаны бир қатар қәлемкеш досларының атынан шын кеўилден қутлықлаймыз!

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉
@QRJas_doretiwshiler
Кеўилге Жол🪁

06 Mar, 14:56

1,960

Дерек; Қарақалпақ байтереклери
Кеўилге Жол🪁

05 Mar, 05:49

2,144

"Анама"

Ресторан...
Дастурхан әжәйып,
Стейктен зағараның ийиси шықты.
Ериксиз кеуилимди толқытып,
Еске салды бийғам балалық шағты..

Қас-кирпиги куйип. Жузи қызарып,
Шоғы шашыраса, артқа шегинген,
Отын сындырып. Қолы қабарып,
Тырнақлары желинген..
Анам келди көз алдыма,
Тандырға узақ термилген.

Устиндеги қара шапан,
еле мениң есимде,
Нанның ийиси шығар еди, қушақлаған гезимде..
***
Сен қайдасаң анажаным, мен қайларда отырман.
Айлансам еди нәрестеге, қарыныңда жатырған...

Тууылсам еди мен қайтадан, пәкизе хәм бийгуна,
Өкпелетпей сени ылайық болар едим туйғыңа..

Жөргегиме қундақласаң, бесигимди шайқасаң,
Мийирим толы, мухаббат толы,
Хәййиуиңди айтасаң.

Хеш қайғысыз, тәшуишлерсиз,
қушағыңда ойнасам,
Булдирмесем төсегимди, сени қыйнап қоймасам..

Дунья мулктен аулақ, ыссы алақаныңда,
Сендей периштеге ылайық мен периште шағымда..

Жыллы жузиң жузлериме, басып кеуилиң тоқ еди,
Аппақ мойның, сулыу жузиң, әжимлериң жоқ еди.

Сен хурсең ана!
Мен киммен ана?

Анасына кеуил бөлмеген, билимли сауатлыман,
Мал мулк ушын жанып куйген, есаплы санақлыман,
Ярым ушын пидә болып, бәрине жан жақлыман,
Сен хеш нәрсе билмейтуғын, ал мен өзимше хақлыман.

Сен жууапсыз хатлар жазып, қоңыраулар етесең,
Мен биреудиң баласы деп, ал сен мени деп отесең.

Мәп гөзлемей жақсы көрген, мийирбаным, теңсизим,
Негизинде тек сен ғана, қәдириме жетесең.!
**
Кешир ана.
Кеуилиңе дақ тусирдим қанша рет
Билегиңе, журегиңе салмақ тусирдим қанша рет.

Қайталанбас ғәнийметим сендей хасла таппайман,
Сонда да жақсы көриуимди саған кунде айтпайман,

Сен жалғызсаң, Сен биреусең, өмирге қайтып келмеймен,
Соны билип мен сормаңлай қәдириңди билмеймен.

Сен жыласаң, азап шексең мениң ақибетимде,
Ялғаншыда жолым болмас, қараңғы ахиретимде.

Сен жәннетсең, бәрше шадлық қойыныңа тығылған,
Әлемниң бар жақсылығы алдыңа келип жығылған.

Кеуилиң тынық булақ, сен шәменсең, сен кунсең,
Жыйнап терген мулким емес,
Сен байлығымсаң билсем.

Өнип өсип нәр аламан сендей мехири булақтан,
Ғәрип анам сеннен айра қалдырмағай Жаратқан!

Кешир Ана, сәлем жоллар,
Куйдирги балаң жырақтан.!

Мукаррама Оразбаева
2022.март
Кеўилге Жол🪁

04 Mar, 17:24

2,366

Балаларды ертип ойнатыуға ып бардық! Сол жерде журип Аланның бирден дауысы шықпай қалды, киятырғанда машынада температура берди! Содан басланды бәри! Избе из ауырып антибиотик алып атырмыз!( Балаларды жәмийетлик жерлерге алып бармай турған мақул мениңше)
Кеўилге Жол🪁

04 Mar, 16:51

2,219

Балаларым алма гезек ауырып берекетим кетти! Куним менен туним қалай өтип атырғанындай билмей қаламан гейде! Хәзирги инфекциялар мурын ағыу менен басланып, иши өтип, қусыу менен жуумақланып атырма қалай қалай өзи?)
Усы суре балаларыма жақсы көмеклеседи! Уйықлап кетиуине жақсы көмеги тийеди! Мениң де журегим тынышланады!💛