Neueste Beiträge von Кеўилге Жол🪁 (@keuylge_zhol) auf Telegram

Кеўилге Жол🪁 Telegram-Beiträge

Кеўилге Жол🪁
Хәуескер шайыра
Оразбаева Мукарраманың жеке каналы🪔
Поэзия хәм Лирика мениң журегимде🤍✨
"Сезимлер көзден емес қәлемнен төгилсин"🪶

Админ;
@saparbayevna_f
4,261 Abonnenten
659 Fotos
359 Videos
Zuletzt aktualisiert 09.03.2025 01:04

Der neueste Inhalt, der von Кеўилге Жол🪁 auf Telegram geteilt wurde.

Кеўилге Жол🪁

25 Feb, 13:14

4,869

Хожели қаласынан 5 соток жер майданға ийе,
Жер жай сатылады.!
Бахасы 200 млн сум.!
Саудасы жоқ!
+998 90-574-47-55
Усы номерге хабарласың!
Кеўилге Жол🪁

20 Feb, 18:53

5,069

Ыхласбентим Пийшенбай ата!
Алла ахиретин жарық еткей! Алла рахметине алғай💛💔
Кеўилге Жол🪁

16 Feb, 07:54

5,383

БИР ДОСТЫМ

Бир достым бар тил алғыш,
Тал шыбықтай буралғыш.
Биреўлердиң тутқышы,
Биреўлерге күл алғыш.

Бир достым бар ақыллы,
Таңлайында тақылды.
Биреўлерге алағат,
Биреўлерге дақыллы.

Бир достым бар суў қуйды,
Өсекке бар бир қыйлы,
Биреўлерден симирип,
Биреўлерге булқыйды.

Бир достым бар тиленшек,
Деп турған; бир емсек,
Биреўлерге саўындай.
Биреўлерге гор емшек.

Бир достым бар сыпайы,
Минези жоқ шытайы.
Биреўлердиң шығыны,
Биреўлердиң упайы.

Бир достым бар ем астай,
Бирак, онша емес бай,
Биреўлердиң шайыры,
Биреўлерге Кеңесбай…

Кеңесбай Рахманов
@Kengesbay_Raxmanov
Кеўилге Жол🪁

10 Feb, 08:43

5,217

Устазым Халила Даулетназаров пенен ушырасыудан естелик! 💛

Алла өмир жасыңызды узын хәм мазмунлы еткей!
Хәмийше ел ардағында болып, биздиң суйикли шайырымыз, әдебият шайдаларының устазы болып, ден саулықта, аманлықта журебергейсиз! Тууылған куниңиз бенен! 💛

Халқабадлы қызыңыз Мукаррама!
Кеўилге Жол🪁

07 Feb, 18:01

4,763


Аўыллас әжапам Мукаррама Оразбаева менен бир кесе шай үстинде әңгиме қурдық. Ол өзине бөтен уяда жаңа көз ашқан  палапанға уқсайды. Өзи қандай қус екенин билмейди: мүмкин бүркит, суңқар я бүлбил, бәлким шымшық шығар. Бирақ қәйткенде де Әдебият аспаны кең. Мукарраманың жез қанаты жетилип, өз жолын, өз пәрўазын табыўына тилеклеспен.

@keuylge_zhol

@Allayar_Darmenov
Кеўилге Жол🪁

06 Feb, 12:36

4,781

Турақлы ыхласбентим Пийшенбай атам😣💔 Алла рахметине алсын! Сораулары жеңил, ахирати абат болғай! Хәр дайым мени қоллап отыратуғын еди💔
Кеўилге Жол🪁

06 Feb, 07:01

4,228

➡️Dasturqan👈 kórsetiwiniń náwbettegi sanınıń miymnaı jas dóretiwshi, shayıra🔣Mukarrama Orazbaeva🔣 miymanda🧊
📺ONLINE JASLAR TV
🌐INSTAGRAM
TELEGRAM
📹YOU TUBE
🟦NUKUSFM100.4
🌐SAYT
FACEBOOK
🥳QUTLIQLAW
Кеўилге Жол🪁

31 Jan, 17:07

4,916

https://www.instagram.com/reel/DFfyaFItnhj/?igsh=MThxMjg3MjYyNmVlYg==
Кеўилге Жол🪁

30 Jan, 21:22

5,789

Жәмийеттен не кутесиз.?!

Бугин усы сорауды бергенде журналист, мен терең ойланып қалдым!
Бугин Жаслар тв каналында Дастурқан көрсетиуинде мийманда болдым.! Ашық сәубет хәм әжәйып пикирлесиулер болды!

Соң Қарақалпақстан радиосында тиккелей еситтириуде өз дөретиушилигим менее мийманда болдым!
Сонда журналист берген “Жәмийеттен нени кутесиз”? Деген сорауы мени ойға батырды!
Жууабым менен соңырақ бөлисейин.
Хәзирше сиздиң пикириңизди билейин әзийз ыхласбент.
Сиз жәмийеттен нени кутесиз? Нени умитленесиз әтирапыңыздағылардан.?!
Бөлисип кетиң!
Кеўилге Жол🪁

29 Jan, 10:41

4,662

"Кеliń qızlar sırlasayıq" аtаmasında ushırasıw bolıp ótti

Búgin 29-yanvar kúni Ózbekistan mámleketlik kórkem óner hám mádeniyat institutı Nókis filialında háwesker shayıra Mukarrama Orazbaeva menen ushırasıw keshesi bolıp ótti.

Ilajdı direktordıń Hayal qızlar máseleleri boyınsha másláhátshisi O.Kıdırniyazova kiris sóz benen ashıp berdi. Ilajda Ózbekistan mámleketlik kórkem óner hám mádeniyat institutı Nókis filialı studenti háwesker shayıra Mukarrama Orazbaeva miymanda bolıp student-jaslar menen jaqınnan sáwbetlesti.

Onda tyutorlar, dekan orınbasarları hám ádebiyatqa qızıǵıwshılıǵı joqarı bolǵan bárshe student-jaslar qatnastı.
Ilajda miymanımız óziniń shayıralıqqa bolǵan qızıǵıwshılıǵı, ómiri hám dóretiwshiligi boyınsha kóplegen maǵlıwmatlarǵa toqtalıp ótti.

Ilaj sońında student-jaslar ózlerin qızıqtırǵan sorawlarǵa juwap aldı.

✍️Filial baspasóz xızmeti

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | Facebook | Web | YouTube