Последние посты Каракалпак 24 (@karakalpak24) в Telegram

Посты канала Каракалпак 24

Каракалпак 24
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.

📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot

📊 Реклама: @kk24_reklama
122,059 подписчиков
21,189 фото
5,435 видео
Последнее обновление 01.03.2025 05:46

Похожие каналы

🎶 Q O S I Q
18,103 подписчиков
NIYET.UZ | Рәсмий канал
2,843 подписчиков

Последний контент, опубликованный в Каракалпак 24 на Telegram


Педагогларға 70% үстеме төлеў тәртиби тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети педагогларды аттестациядан өткериў ҳәм хошаметлеў системасын жетилистириўге байланыслы қарар қабыл етти.

Тийкарғы өзгерислер:

Талабанларды таңлаў:
Енди үстеме алыў ушын барлық пән муғаллимлери ашық сынақларда қатнасады.

МШБШ тәрбияшылары:
Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәрбияшылары да үстеме алыў ушын сынақларда қатнасыўы мүмкин.

Маманлық категориясы сынақлары:
Жоқары яки биринши категорияға ийе болып, 86 ҳәм оннан жоқары балл топлаған педагогларға 70% муғдарында үстеме төленеди.

Сертификатқа ийе педагоглар:
Билим ҳәм маманлық сертификатына ийе болған педагоглар гезектеги аттестацияның биринши басқышынан азат етиледи.

Бул өзгерислер педагоглардың маманлығын арттырыў ҳәм хошаметлеўге хызмет етеди.

👉 @Karakalpak24

❗️Президент пәрманына бола, 2026-2027-жылларда суўғарыў тармақларын реконструкциялаў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржылары ажыратылады:

➡️ Нөкис районындағы Бозатаў каналының 46 километри;
➡️
Қараөзек районындағы Есимөзек каналының 69 километр бөлеги реконструкцияланады.

2025-жыл жуўмағына шекем Қарақалпақстан Республикасына 5 земснаряд алып келинеди.

“Таллық” каналының Қоңырат ҳәм Мойнақ районларындағы 106 километрге шекемги бөлеги 2026-2030-жылларда реконструкция қылынады.

Қарақалпақстан Республикасында "А" вируслы гепатит кеселлигиниң алдын алыў ушын кеселликке қарсы вакцинациялаў Миллий профилактикалық шаншыў календарына киргизиледи ҳәм Өзбекстан Республикасы республика бюджетинен зәрүр қаржылар ажыратылады.

Пайдаланылмай атырған мәмлекетлик социаллық тараўдың мүлк объектлери инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў миннетлемеси менен электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылады.

  Коммерциялық банклердиң балансындағы мүлк объектлерин базар баҳасында қайта баҳалап, 10 жыл даўамында бөлип-бөлип төлеў шәрти менен электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыўға рухсат бериледи.

Толық оқыў

👉 @Karakalpak24

❗️Temu жақын арада блокланыўы мүмкин

Өзбекстанда 2024-жылдан берли жумыс алып барып атырған Temu маркетплейси жақын арада блокланыўы мүмкин. Бул ҳаққында ИЛМА ўәкили мәлим етти.

«Temu интернет платформасы өткен жылы маркетингке 10 млрд доллар жумсаған, бирақ Өзбекстанда өз жумысын әмелге асырыў ушын лицензия алыў мақсетинде елеге шекем ИЛМАға мүрәжат етпеген. Соның ушын жақын келешекте блокланыўы мүмкин» - дейди ол.

Алдын социаллық тармақларда Temu интернет-дүканына хызметкерлерди жумысқа алыў ҳаққында жалған дағазалар пайда болған еди.

Мағлыўмат ретинде, 2024-жыл 1-июлдан баслап электрон коммерция операторлары Өзбекстанда жумыс алып барыўы ушын юридикалық шахс ретинде дизимнен өткен болыўы керек.

👉 @Karakalpak24

❗️Өзбекстанда дрифт қылғанлық ушын жуўапкершилик белгиленди

🔹басқа транспорт қуралларының ҳәрекетине қастан тосқынлық етиў;
🔹ҳәрекетлениў мүйешин ҳәм (ямаса) тезлигин сақлаған ҳалда транспорт қуралын себепсиз жылжытыў (дрифт);
🔹өз бағдарында ҳәрекетлениў бөлегин себепсиз кескин түрде үш ҳәм оннан артық мәрте үзликсиз өзгертиў (арнаўлы ажыратылған орынларда ислеў буған кирмейди);
🔹Жол ҳәрекети қатнасыўшыларының қәўипсиз ҳәрекетлениўине қәўип туўдырыўшы ямаса транспорт қуралында жол ҳәрекетиниң басқа қатнасыўшыларына ҳүрметсизликте көрсетилген басқа ис-ҳәрекетлерди ислеў.

💰Жоқарыдағы қағыйдабузарлықлар ушын БЕМның 25 есеси (9 млн 375 мың сом) муғдарында жәрийма ҳәм (ямаса) 1 жылдан 2 жылға шекем мүддетке транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырыў нәзерде тутылған.

📄 Бул ҳуқықбузарлық транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықы болмаған ямаса транспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахс тәрепинен исленсе ең кем айлық мийнет ҳақының 50 есеси (18 млн 750 мың сом) ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасы тайынланады.

📈Сондай-ақ, топар болып ҳәрекетлениўде қатнасқан транспорт қураллары айдаўшыларының жәрийма муғдары БЕМның 3 есесинен 5 есесине (1 млн 875 мың сом) арттырылды.

Нызам 21-февральдан күшке кирди.

👉 @Karakalpak24

💸 1-марттан пенсиялар проактив түрде тайынланады

Проактив форма тек ғана март айынан баслап 60 жасқа толған ер адамлар ҳәм 55 жасқа толған ҳаял-қызларға қолланылады. Оларға ҳеш қандай арзасыз пенсия тайынланады.

Проактив хызмет - бул мәмлекетлик шөлкемлердиң өз басламасы менен пуқараларға арнаўлы бир жағдайда ямаса арнаўлы бир факт пайда болғанда пуқаралардың мүрәжатысыз мәмлекет хызметин көрсетиў есапланады.
Егер пуқаралар Өзбекстаннан тысқарыда болса, оларға да автоматик түрде пенсия тайынланады, бирақ төлемлер ўақтынша тоқтатып қойылады.

Ҳожибеков пуқаралардан өзлериниң жумыс стажы ҳаққындағы мағлыўматларды санластырыўды сорады. Бул жаңа тәртипте пенсия тайынлаўда арзалар бийкар етилиўиниң алдын алады.

Сондай-ақ, басқышпа-басқыш майыплық пенсияларын да проактив түрде тайынлаў режелестирилген.

👉 @Karakalpak24

Biznesingizni rivojlantirish uchun pul kerakmi?
Davr Banki yuridik shaxslar uchun 5 mlrd so'mgacha kredit taklif etadi:

Muddati: 60 oygacha;
Foiz stavkasi: 24% dan boshlab*;
Ariza 3 bank ish kuni ichida ko'rib chiqiladi.

* foiz stavkasi mijozning asosiy hisob raqami aylanmasidan kelib chiqib belgilanadi.

Davr Bank - vaqt bilan sinalgan ishonch!

Qo'shimcha ma'lumot uchun:
📞 1284
🌐 www.davrbank.uz

——————

Ищете финансирование для развития вашего бизнеса?
Davr Bank предлагает кредиты до 5 миллиардов сумов для юридических лиц:

Срок кредита: до 60 месяцев;
Процентная ставка: от 24%*;
Заявка будет обработана в течение 3 банковских дней.

* Процентная ставка по кредиту устанавливается на основании оборота по основному расчетному счету.

Davr Bank – доверие, проверенное временем!

Для дополнительной информации:
📞 1284
🌐 www.davrbank.uz

🌙 РАМАЗАН КАЛЕНДАРЫ

Бул Рамазан календары Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен таярланды.

👉 @Karakalpak24

Нөкистен Бейнеўге поезд қатнаўы жолға қойылды

Усы жылдың 28-февраль сәнесинен баслап ҳәптеде 2 мәрте Дүйшемби ҳәм Жума күнлери "Нөкис-Бейнеў-Нөкис" жөнелиси бойынша 651/652-санлы жаңа Халықаралық жолаўшы поезды қатнаўы әмелге асырылады.

Бул поездлар төмендеги кесте тийкарында ҳәрекетленеди:

🔹 651-санлы "Нөкис - Бейнеў" жөнелиси:
🔸 Нөкис 00:40 - Бейнеў 11:40

🔹 652-санлы "Бейнеў - Нөкис" жөнелиси (ҳәр дүйшемби күни)

👉 @Karakalpak24

Әкем еркелеткенин сағындым 🥺

Жәрдем бериўди қәлеўши жақсылар төмендеги карта номерлерге пул өткериў арқалы қайырқомлық ислеўиңиз мүмкин.

🔹HUMO: 4073 4200 5400 6436
(Yerjanova S)
🔸Kaspi Gold: 7 778 008 16 40
(Gulnaz J)

☎️ Қосымша мағлыўмат ушын: +998992043433

Жақсылық еткен инсанның өзи де жақсылық табады умытпаң!

👉 @Karakalpak24

Ҳәким жәрдемшилериниң жумысы төмендеги бағдарларда баҳаланады ҳәм қосымша мийнет ис ҳақы төленеди

Жумыссыз халықты жумысқа жайластырыў;
Исбилерменлик субектин шөлкемлестириў;
Жумыссыз пуқараларды өзин-өзи бәнт еттириў;
Кәмбағал шаңарақлар ушын индивидуал бағдарлама жаратыў ҳәм орынлаўға қаратыў;
Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде арзаларды өз ўақтында көрип шығыў;
Аймақтағы исбилерменлердиң өнимин "онлайн базар" системасы арқалы реализациялаўды әмелге асырыў;
Сырт елге жумысқа жибериў.

Ҳәким жәрдемшилери усы 7 бағдарда ҳәр шеректе баҳаланып барылады. Нәтийжеде, әмелге асырылған жумысларға қарап, айлық мийнет ис ҳақысына сәйкес түрде 0-15-30-50 процент үстеме төлеп бериледи.

👉 @Karakalpak24