Последние посты Каракалпак 24 (@karakalpak24) в Telegram

Посты канала Каракалпак 24

Каракалпак 24
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.

📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot

📊 Реклама: @kk24_reklama
122,059 подписчиков
21,189 фото
5,435 видео
Последнее обновление 01.03.2025 05:46

Похожие каналы

Kun.uz | Расмий канал
1,265,197 подписчиков
Joqarǵi keńes.uz
38,634 подписчиков
Aqmańǵıt News Rásmiy kanal
10,190 подписчиков

Последний контент, опубликованный в Каракалпак 24 на Telegram


❗️Дыққат, хабарландырыў!!!

Нөкис қаласы аймағында “Мүбәрек Рамазан айы”н жоқары ҳәм мүнәсип дәрежеде өткериўде, халқымыздың қәўипсизлигин, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм де жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўда илаж өткерилетуғын орынларда транспорт қуралларының ҳәрекетин ўақтынша шеклеў мақсетинде:

"Салмен ата ийшан" мешити алдындағы Амир Темур көшесиниң Ислам сүўретши ҳәм Зиярат жолы көшелери аралығы;

"Шайх Мухаммед Садық Мухаммед Юсуф" мешити алдындағы Нәўпир гүзары көшесиниң Саманбай гүзары ҳәм Шахсанем көшелери аралығы;

"Ийман ийшан Мухаммед" мешити алдындағы 4Р-191 "Нөкис киши айланба жолы" автомобиль жолының 16,5 км ҳәм Билимлилер көшеси аралығы;

"Муҳаммад Бахый ийшан" мешити алдындағы Жеке терек көшесиндеги 36-46-жайлар аралығы;

"Аллаҳ берди Азиз" мешити алдындағы Халықлар дослығы көшесиндеги 5-43 үйлер аралығы;
"Ережеп бий баба" мешити алдындағы Көк сарай көшесиниң Әмиў жағасы ҳәм Келешек көшелери аралығы усы жылдың 28-февраль күнинен баслап 31-март күнлери аралығында саат 19:00 ден 24:00 ге шекемги ўақыт аралығында (жағдайдан келип шыққан ҳалда) 3.1 «Кириў қадаған» жол белгилери ўақытша орнатылып,  тийисли тосықлар менен жабылатуғынлығын мәлимлеймиз.

👉 @Karakalpak24

Такси айдаўшылары ушын жақсы жаңалық

Енди өзин-өзи бәнт еткен таксистлердиң 2024-жылда дәраматы 100 миллион сумнан асқан болса да, 2025-жылда есап-санақ және "ноль"ден басланады. 2025-жыл даўамында 100 миллион сумға шекемги дәрамат салыққа тартылмайды.

Буннан тысқары, такси айдаўшылары дәраматы 100 миллион сумнан артқанда (бирақ 1 миллиард сумға шекем) олар ушын салықты салық агентлери (таксы агрегаторы) төлем дәрегинде автоматикалық есаплаў ҳәм бюджетке өткериў бойынша тийисли усыныслар ислеп шығылған.

Бул усыныс қабыл етилип, нызамшылыққа киргизилгенде усы тәртип тийкарында салыққа тартыў системасы енгизиледи.

👉 @Karakalpak24

Omonatdagi pullaringiz davlat tomonidan kafolatlangan

TBC Bank bilan hamkorlikda tayyorlangan qoʻllanmada omonat ochgan yoki endi ochmoqchi boʻlganlar uchun muhim maʻlumotlarni koʻrib chiqdik.

Mavzu boʻyicha foydali havolalar:

• Omonatlarni kafolatlash jamgʻarmasi

• Oʻzbekiston banklarining moliyaviy hisobotlari

• TBC Bankʻning foydali maʻlumotlarga boy Telegram kanali

❗️Қоңыраўға жуўап бердим ҳәм пулларымды жоғалттым: Өзбекстан үлкен СПАМ ҳүжимге ушырамақта

+998 78 ХХХ 21 21 сыяқлы номерлер қәўипли болыўы мүмкин, көп жағдайларда бундай номерлер артында алдаўшылар отырады. Усы сыяқлы номерлерден қоңыраў келсе жуўап қайтармаў усыныс етиледи.

Егер сиз телефонды көтерген болсаңыз, бирақ қоңыраўдың арғы тәрепинде тым-тырылық болса, онда ким ҳәм не ушын телефон етип атырғанын анықлаўға ҳәрекет етпей, сөйлесиўди дәрҳал жуўмақлаң.

👉 @Karakalpak24

Ертеңнен баслап Нөкистен Бейнеўге поезд қатнаўы жолға қойылды

Усы жылдың 28-февраль сәнесинен баслап ҳәптеде 2 мәрте Дүйшемби ҳәм Жума күнлери "Нөкис-Бейнеў-Нөкис" жөнелиси бойынша 651/652-санлы жаңа Халықаралық жолаўшы поезды қатнаўы әмелге асырылады.

Бул поездлар төмендеги кесте тийкарында ҳәрекетленеди:
🔹 651-санлы "Нөкис - Бейнеў" жөнелиси:
🔸 Нөкис 00:40 - Бейнеў 11:40

🔹 652-санлы "Бейнеў - Нөкис" жөнелиси (ҳәр дүйшемби күни)

👉 @Karakalpak24

❗️"Права"сынан айырылған айдаўшылар профилактикалық есапқа алынады

Профилактикалық есапқа алыныўы керек болған шахслардың категориясын анықластырыўшы нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

Ендигиден былай айдаўшылық гүўалығы алып қойылған шахслар "участковой дизимин"де турады.

👉 @Karakalpak24

🌙 Рамазан айы 1-марттан басланады

Өзбекстан Республикасы Президенти "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында"ғы қарарына қол қойды.

👉 @Karakalpak24

⚡️ Енди натяжной потолокларды ең арзан бахада орнатып беремиз !!!

📎 Натяжной потолок базарында лидер болған «KVADRAT» фирмасы өзиниң арнаұлы АКЦИЯСЫН баслады !!!

📎 Акцияда сиз 5% - 10% - 20% хәттеки 50% жеңилликлерге да ийе болыұыңыз мүмкин !

🤝 Сизге еледе қолайлы болыӯы ушын «UZUM NASIYA» хәм «Өз ара келисим менен» бөлип төлеӯ хызметлерин де иске түсирдик.

📒 Акциямыз туралы толық мағлыұмат алмақшы болсаңыз төмендеги силтемеден өтип АТЫҢЫЗ хәм НОМЕРИҢИЗДИ жазып қалдырың

Асығың акция мүддети ШЕКЛЕНГЕН !!!

+998973596600

❗️Өзбекстанда 1-марттан баслап 15-августқа шекем аң мәўсими жабылады ️

Экология министрлиги бул ўақыт даўамында жабайы ҳайўанлар ҳәм қусларды аўлаў қатаң қадаған етилгени, аң аўлаў қағыйдаларын бузыў жуўапкершиликке себеп болатуғынын ескертти.

👉 @Karakalpak24

📊 TBC Bank кредитлари кўпроқ қаерда олинади? Топ-5 ҳудудлар

2024 йилда энг кўп кредитлар қуйидаги ҳудудларда расмийлаштирилган:

— 1-ўринда – Тошкент шаҳри ва Тошкент вилояти (26,86%)
— 2-ўринда – Қашқадарё вилояти (9,10%)
— 3 ва 4-ўринларни бир хил натижа билан Фарғона вилояти ва Қорақалпоғистон Республикаси (ҳар иккаласи 8,43%) эгаллашган.
— 5-ўринда – Самарқанд вилояти (7,49%)

TBC Bankни аллақачон минглаб одамлар танлаб улгуришган – кредитни ҳужжатларсиз ва кафилсиз расмийлаштириш мумкин, аризага жавоб эса 1 дақиқа ичида ариза берилади. 🔥