Каракалпак 24 (@karakalpak24)の最新投稿

Каракалпак 24 のテレグラム投稿

Каракалпак 24
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.

📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot

📊 Реклама: @kk24_reklama
122,059 人の購読者
21,189 枚の写真
5,435 本の動画
最終更新日 01.03.2025 05:46

Каракалпак 24 によってTelegramで共有された最新のコンテンツ


❗️2025-жыл 1-марттан баслап жалғыз пуқараның перзенти ушын пул бериледи

Президент Пәрманы менен 2025-жыл 1-марттан баслап жалғыз анаға (әкеге) бир перзенти ушын бала(лар) 3 жасқа толғанға шекем мектепке шекемги билимлендириў хызметинен пайдаланыўы ушын  БЕМның 1 ярым есесине шекем (562 мың 500 сумға шекем) муғдарда материаллық жәрдем бериледи.

Бунда материаллық жәрдем  егизеклердиң ҳәр бири ушын бериледи.

👉 @Karakalpak24

Илимпазлар келешекте инсанлар қандай көринисте болыўын болжады

Илимпазлар 2050-жылға барып көплеген заманагөй адамлардың сыртқы көринисин моделлестирди: күнине тек ғана 6 саат ямаса оннан кем уйықлайтуғын ҳәр бир адам усындай көриниске ийе болады.

Инсанияттың смартфонларға болған қызығыўшылығы себепли адамлар ҳәзир тарийхтың ҳәр қашанғыдан да жаманырақ уйқламақта, егер усылай даўам етсе, адамлардың денсаўлығы бирәз жаманласады.

Мысалы созылмалы бел аўырыўы, исинген аяқлар ҳәм көз астындағы қызыл сумкалар пайда болады, шашлар жиңишке болып, тери асылады.

👉 @Karakalpak24

Ески үлгидеги долларларды сатыў ҳәм сатып алыў банклерде ҳеш қандай машқаласыз әмелге асырылады

Орайлық банк ҳәзирги күнде мәмлекет аймағында ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы (2009-жылға шекем емиссияланган) банкнотларды банклер тәрепинен сатыў ҳәм сатып алыўға байланыслы әмелиятлар ҳеш қандай машқалаларсыз әмелге асырылып атырғанын мәлим етти.

Соның менен бирге, ҳеш бир мәмлекет есап-санақларында ески үлгидеги 100 АҚШ доллары номиналындағы банкнотлардың нызамлы төлем қуралы сыпатындағы статусы өзгермеген.

Орайлық банк халық ҳәм исбилерменлик субектлерин социаллық тармақларда тарқалып атырған тастыйықланбаған мағлыўматларға исенбеўге шақырып, тек ғана рәсмий дәреклерге сүениўди усыныс етти.

👉 @Karakalpak24

Shaxsni tasdiqlash nima degani? | Shaxsini tasdiqlamagan akkaunt uchun qanday xavflar bor?

▶️  https://youtu.be/KZAtNU9L98w

🌐 @finlituzb 🌐 @finlituzb_ru 🌐 @cert_cbu

Реклама

Сымсыз наушниклер зыянлы! Эксперт ескертти

Сымсыз наушниклерде Bluetooth электромагнит толқынларын мийге жүдә жақын тарқатады, бул болса қәўипли, деп жазбақта «Mk.ru».

Плеханов атындағы РИУ информатика кафедрасының доценти Александр Тимофеев бул нурланыўды микротолқынларға теңлестирди. Инсан саламатлығына бул тек ғана зыян келтиреди.

«Нерв системасының белсендилиги де электромагнит токларына ийе, тәбияттағы магнит тербелислеринен қыйналыўшылар саны болса күн сайын өсип атыр», -деди қәниге.
Ол әсиресе «оригинал наушниклер»диң қәлбекилеринен абайлы болыўға  шақырды.

👉 @Karakalpak24

🌙 Saharlik va iftorlik vaqtini payme bilan kuzatib borish oson.

Ramazon oyida biror bir daqiqani ham oʻtkazib yubormaslik kerak, ayniqsa saharlik va iftorlik paytini. Bu boʻyicha ma’lumotlarni uzoq qidirib yurmaslik uchun esa payme ilovasini ochish kifoya.

Muhim vaqt – doimo ilovaning bosh sahifasida ko‘rsatiladi. Shuningdek, u joylashuvingizga qarab avtomatik ravishda yangilanib turadi.

Ushbu muborak oy yengil va barakali o‘tsin 🤲

💛 Agar vaqt asosiy ekranda koʻrinmayotgan boʻlsa, ilovani yangilang

Реклама

Пуқараны сүўретке түсириўге рухсат керек пе?

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм оннан пайдаланыўда руқсат талап етилмейтуғын айырым жағдайлар бар:

1. Сүўрет мәмлекет ҳәм жәмийет мәпи ушын пайдаланылғанда руқсат талап етилмейди;

2. Пуқара ғалабалық орыларда, аўқатланыў, саўда ҳәм басқа да хызмет көрсетиў орынларында, концерт, байрам сейиллеринде ҳәм көшелерде сүўретке түсирилген ҳәм оннан мақсет сол жердеги процессти сәўлелендириў болғанда разылық талап етилмейди.

3. Және де сол сүўреттен пайдаланыўдан мақсет пуқараның ҳуқықларын қорғаў болғанда разылық талап етилмейди.

👉 @Karakalpak24

Насыбай перзентсизликке себеб болады ма?

Қырғызыстан миллий илим-пән академиясының бир топар алымлары насыбайдың еркеклер жынсый саламатлығына тәсирин үйренип шықты.

Олар Ош ҳәм Қарасуў қалаларында жасаўшы, перзентсизлик пенен мүрәжәәт қылған еркеклерди тексериўден өткерген.

Насыбай еркеклердиң перзент көриўине ҳәр қандай пестициттен де зыянлырақ тәсир қылады, оның зыяны насыбайдың қанша ўақыт даўамында атқанына байланыслы емес, яғный қысқа ўақыт ишинде де перзентсизлик келип шығыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24

❗️⚠️ ️️️Абайлы болың: Өзбекстанда алдаўшылар аралықтан турып телефонларды блоклап, пул өндириўди баслады.

Социаллық тармақ пайдаланыўшыларының хабар бериўинше, алдаўшылар телефон кодларына кириў имканиятына ийе болып, оны блоклап қояды ҳәм кейин оны ашыў ушын телефон ийесинен пул талап етеди.

👉 @Karakalpak24

📢 No'kis xalqı ushın kutilmegen jan'alıq!

📍 Endi Onlayn Hamshira xizmetleri No'kis qalasinda isleydi!
🏥 Bul filialda professional, joqarı kategoriyalı hamshiralar hám feldsherler uyde medisinaliq xızmet koʼrsetiwge tayarmiz.

👩‍⚕️ Klinikalarda na'wbette turmay qolayli medisinaliq ja'rdem alin!

🌟 Bizin' ta'jriybeli hamshiralar siz ushın qolaylı waqıtta xızmet ko'rsetiwge tayarmiz!

Litsenziyalı medisinaliq xizmetkerler!
Tez ha'm isenimlı xızmet!

📲 Programma arqalı shaqırıq berip, qanigelerine tez ha'm isenimlı xızmet alıw mumkinshiliginen paydalanın'!

📱 Programma iPhone ha'm Android qurılmalar ushın bar!

👉 Programmani juklep alıń! 👈

Tolıqraq mag'lıwmat: onlaynhamshira.uz saytında.

Реклама