Dernières publications de QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ (@qqshayirlar) sur Telegram

Publications du canal QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ
Maqsetim:
"Qaraqalpaq 🤵shayır hám 👩‍💼shayıraların tanıtıw".
Siz óz qosıqlarıńızdı kanalımızģa jaylastırmaqshı bolsańız
Bot mánzilimizge jazıń:
➡️ @qqshayirbot

Kanal 2017-jıl 1-iyunda ashıldı.
3,695 abonnés
2,202 photos
589 vidéos
Dernière mise à jour 12.03.2025 09:41

Le dernier contenu partagé par QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ sur Telegram

QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

13 Jan, 17:36

3,617

Қорғаўшым ~ Әскер !

Сен ояўсаң....ояў таңлар атырдың ,
Жаўға көксиң қалқан қылып атылдың ,
Сен қанысаң ..Ерназардай батырдың ,
Бул әзийз Ўатанды қорғаўшым ~Әскер !

Тынышлық тилеўшим мың~миллион жанға ,
Батырлық сиңискен әзелден қанға ,
Сол сенсең ,жан берген Ана~ Ўатанға ,
Туўылған топырағын қорғаўшым ~Әскер !

Кеўли жәм бәҳәрди күтеди анаң ,
Тып~тыныш уйықлайды бесикте балаң ,
Мәртлигиң көклерге көтердик мудам ,
Бул әзийз Ўатанды қорғаўшым ~Әскер !

Сен бүркит яңлысаң ,аямас жаўын ,
Халқыма сүйениш "Алип"тей таўым ,
Ҳуқуқым ҳүрметте жоқ тосық,ғаўым ,
Туўылған топырағын қорғаўшым ~Әскер !

Сак~Массагет,Печенектиң ураны ,
Ғайбар руўҳлы Ата~Бабам қыраны ,
Халқым мақтанышы..саў бол мудамы !
Бул әзийз Ўатанды қорғаўшым~Әскер .

14~ январь Ўатан қорғаўшылары күни мүбәрек сәне ҳәмме жигитлерге қутлы болсын ! 👨‍🎤👨‍✈️

🖊 Зульфия Жийемуратова
Қоңырат районы.

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал силтемеси👉
@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

13 Jan, 03:06

3,110

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

10 Jan, 08:55

4,011

* Уатанын күни-түн қорғаған әскер *

Жигитлик намысы,бойында қалқып,
Жүрмеген мәсликке,берилип шалқып.
Топырақты атадан,билисип сарқыт,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер.

Тынышлық ығбалын,алладан сорап,
Түнлерин өткерип,таңларға қурап.
Халық алғысына,бөленип атыр,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер.

Сиз барсыз елимиз,тыныш-парауан,
Хәр күни,той-думан,шадлық-шараған.
Халқыма берекет,бахыт тараған,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер.

Пасбансыз жалғаған,ата үрдисин,
Бойына жәмлеген,жигерин күшин.
Сезинип алыстан,бөбек күлкисин,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер.

Жеткердим тилегим,усылай толғай,
Сиз барсыз елиме,тынышлық қонғай.
Бүгинги байрамың,мүбәрек болғай,
Уатанын күни-түн қорғаған әскер!.

Қанназаров Сансызбай Кеунимжаевич
Нөкис районы Кердер елаты.

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал силтемеси👉
@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

09 Jan, 16:30

3,751

Атылғанда топ сести, қулақ пердесин тескен,
Ал самалдың орнына, қорғасыннан оқ ескен,
Жанды берип жаббарға, сол саўашта қан кешкен,
Қаҳарманды көргенде, ғарры болғым келеди.

Ҳүрметли заманласлар!
14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни менен бәршеңизди қутлықлайман.

         ӘСКЕР.

Нөкис сити, Мойнақ сити,
Ҳәўиж алған қурылыслар.
Арқасында тынышлықтың
Жүз бермекте бурылыслар.
Тынышлықты сақлар әскер.

Илим-билим тараўында
Алдыға нық қәдем таслар.
Жоқ қорқыныш жүзлеринде
Еркин жәўлан урар жаслар.
Елди жаўдан қорғар әскер.

Ел парахат, балалардың
Жаңлар мудам шад күлкиси.
Дөнбей қәўип ана журтқа,
Қәтержамлықтың белгиси.
Шегарада тур ғой әскер.

Ўатан деген азаматлар
Жаўынгерликти атқарар.
Мейли жерден, мейли көктен
Дөнген қәўипти қайтарар.
Шегарамды қорғар әскер.

Күш-ғайрат бар билегинде,
Талқан қылар тепсе таўды.
Тынышлығы ушын елдиң,
Қуйылдырмай елге жаўды.
Ҳәтте, жанын берер әскер.

Фермер болып дийқанларым,
Жери менен тиллеседи.
Ал спортшы жасларымыз,
Дүнья бойлап беллеседи.
Елди қорғап турса әскер.

Урыс-қағыс болмағай деп,
Тилер тилек бабалар да.
Елим абат, аспан ашық,
Тыныш уйқлар балалар да.
Тынышлықты сақлар әскер,
Ўатанымды қорғар әскер.

Әбдиқадир ҚАЙЫПОВ

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

07 Jan, 08:17

3,377

Канал оқыýшыларынан 📨

Өткен әсирдиң 80-жыллары Хожалар елинде егиз перзент дүньяға келди. Әкеси заманлар өзгерерин, перзентлери туýылған бул сәне қутлы сәне болып Қураллы күшлер күни болыуын билип улының атын Қылыш, қызының атын Қалқан қойды.
Айтқанындай-ақ 1992-жылы 13-январьда Өзбекстан Қураллы күшлериниң жыйналысы болып, еки күн даýам етти. Солай етип 14-январь байрам деп жәрияланды...
Қылыштың туýылыý тарийхынан қысқаша сыпатлама.

Байланыс көпир👉@qqshayirbot

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

06 Jan, 17:30

3,739

Sizdi rawajlanıwdan tosıp, arqaǵa tartıwshı ÁDETLERIŃIZ:

1. Uyqılawdan aldın telefon menen shuǵıllanıw – bul uyqıńızǵa keri tásir etedi hám azanda sharshap, erinip oyanasız.

2. Azanda tura sala telefondı ashıp bir nárseler kóriw – bul siziń tańǵı energiyańızdı tartıp aladı hám  sol kúnińizdegi ruwxıy háreketlerińizge keri tásirin kórsetedi.

3. Basqalardı gáp-sóz etiw, ishten qızǵanıw, olar haqqında jaman gumanda bolıw – siziń energiyańızdı qan sorıǵanday tartıp aladı. Háreketsheńligińizdi ázzilestiredi.

4. Kóp sóylew -  siziń  basqalar aldındaǵı húrmetińizdi kemeytedi. Kóp sóylegen adam kóp qátelesedi. Onıń ornına átiraptaǵılardan kerekli degen gápti  kóbirek tıńlaǵan maqul.

5. Baslaǵan isin shala taslap kete beriw – ózińizge bolǵan isenimdi azaytadı. Ózińe isenim joǵalǵan waqıtta ómirge qızıǵıwshılıq azayadı hám birdey hám mazmunsız kúnler baslanadı.

6. Biykarshı kanallar, bir tıyınnan da  arzan videolardı kóriw menen qımbatlı waqıttı óltiriw, miyińizdi filtrlenbegen informaciya- musor menen toltırıw- ómirińizdegi  maqsetińizdi joǵaltıp qoyıwıńızǵa sebepshi boladı.

7. Ata-ana menen unamsız múnasibette bolıw yamasa olarda qapa qılıw, olardan qapa bolıw – háreketińizdegi bereketti qashıradı.

Bulardıń qay biri sizde bar bolsa, házir joǵaltıń.

👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

05 Jan, 13:45

3,552

Канал👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

01 Jan, 03:39

4,298

Жаңа жыл байрамыңыз қутлы болсын! Жаңа жылда терең ден саўлық, өшпес бахыт, шаңарағыңызға аманлық ҳәмде сол менен бир қатарда алдағы жумысларыңызда (оқыўларыңызда) тасқын табыслар тилеймен. 2о24-жылда орынланбай қалған арзыўларыңыз, 2о25-жылда артығы менен орынланыўына тилеклеспен!

#жаңа_жылыңыз_бенен
#янги_йилингиз_билан
#с_новым_годом
#happy_new_year

Ҳүрмет пенен @qqshayirlar канал админстраторы.
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

31 Dec, 13:44

4,339

。        🌟
   。           🎄         。。
         🎄🎄。 。  
       🎄🔴🎄  
     。 🎄🔴🎀🎄
。  🎄🎀🎄🔴 🎄。。
    🎄🎄🎀🎄
。。🎄🎄🔴🎄🎄  
     🎄🎄🎀🎄🔴🎄
  🎄🔴🎄🎄🎀🎄🎄
🎄 🌲🌲 🌲🌲 🎄
🎄🎄   🌲🌲🌲🌲🌲                 
    🎄🎄🔴🎄🎄🎀🎄
🎄🔴🎄🎀🔴🎄🎄🎄


Байрамлар баса бас  болады. Байрамларда бақсылар болады, бақсылардың биразларына буйрытпалар болады, биразларына болмайды. Бәрине бола бермейдиго, буйырғанына болады, бирақ бәри бир бақсыларсыз байрам байрамдай болмайды. Бақсылардан биз билемиз бабамыз Бердақ бақсы, Бийбигүл бақсы бар. Бердақ бақсыны бәриңиз бурыннан билесизлер, бирақ Бийбигүл бақсыны бирде биреӯиңиз билмейсиз. Бул Бийбигүл бақсы бул  Бозатаӯдағы бизиң балдыз. Билесизлер балдыз балдай болады. Бизиң Бийбигул балдыздың бир байы бес баласы бар. Булардың бағы бар, бир басбақ, бузаӯ, буғалары бар, бағында бүл-бүллериде бар, Бийбигүлдин байы Базарбай. Базарбай бул бизиң балдыздың байы болғансоң, Базарбай бизге бажа боладығо, Базарбай бажа базарда бизнесмен. Бизнесмен болғансоңба былтыр Бийбигүлге брилянт билезик берди. Бизнесмен болғансоң бередиғо, билесизлер бизнесменлер бай боладығо, бизнесмен болса болсын банкрот болмаса болдығо, банкрот болса бес баланы бағалмайды, Бийбигүл болса бақсы бирақ бурын Бийбигүл Бозатаӯда больницалардың биринде бас бухгалтер болған, Бийбигүл былайынша банкиде басып биледи, былтыр банкилердиң бәрине баклажан баса берген, бизлер барсақ болды бизлерге баклажан бере береди, баклажаннан бийзар болдым, балдыздикине бармайтуғын болдым. Булардың бес баласы бар! билесизлер бес баланы баққан бейишке барады, бириншиси Боранбай. Боранбай бул балықшы бала, балыққа барады, балыққа барса бәрҳа батпаққа батады, ботинкасы, балақлары, билеклери батпақ-батпақ болады. Ботинкасының баӯы байланбайды, балықшы болса болсын бийталап болмаса болдығо, буннан басқа баласы Баӯыржан бар. Баӯыржан бул боксшы бала, батыр бала, Боксшы болғандада бириншиликлерге барған. Бухараға барып биринши болған, Белгияга барып бесинши болған, буның бес бронзасы бар, бирталай белбаӯлары бар, болмаса бармайдығо бокске, бәле барма боксте. Буннан басқа баллары бар Байжан, Бегжан бул баллар бокске бийпәрӯа баллар, бокске бийпәрӯа болсада булар билимли балалар, билимли болғанда биреӯи биологиядан биледи, биреӯи ботаникадан биледи, билгендеде беске биледи, булардың баҳалары бес, билимли балалардың баҳалары бәрҳама бес боладығо, бесиншиси Бийбиназ. Бийбиназ бул бақшаға барады, балалар бақшасына, бақшаға барсада бәле бәрин биледи, бөлиӯди биледи, бөлшекти биледи, болмаса бөлиӯ, бөлшек бәри бирдейғо, беске бести бөлсек бир боладығо, бирге бирди бөлсек булда бир болады, булардың бәрин Бийбиназ биледи, болмаса бөлиӯди биразларыңыз биле бермейсиз. Бийбиназ бақшаға барса бәрҳа басына бантик байлап барады, басына бантик байлап барса басында бийт болмайды, болмаса басында бийт болса бақшадағылар бақырадығо. Бул баллар бесеӯиде бәле баллар, билмеймен бир бирине баӯырман, басқалардың балларындай банзыға, билярдқа, болар болмас бәзимлерге бара бермейди, болатуғын балларда, билесизлер болатуғын баллар  бастан белгилиғо, билемен бәриңиздиң балларыңыз бар, бойдақлардан басқа, бойдақлардыңам басында бар, бойдақлар бара бара бийзар боласызлар, бойдақлықтан бийзар боласызлар, балалы босаңыз баладан бийзар боласыз, буны балалы болғанлар биледи, бизде билемиз, бизики былтыр босанған, бир бөпемиз бар баӯы берик болсын, бөпе болғансоң бесикке бөлеймиз, бизики бирақ биреӯ, биз бийшараға биреӯи болады, бесеӯ болса бәрин бағалмайманғо. Бәримиздиң балларымыз Беруний бабамыздай, Бердақ бабамыздай белгили болсын, билимли болсын, балларымыз бизлерденде бахытлырақ болсын. Быйыл бийғәрез бостанымыздың бийбаҳа байлықларының бири болған бийдайымыз берекетли бола берсин, билемен бийпул болмайдығо. Бирақ, берекетли бола берсин.

☝️Байрамда досларымызға жиберемиз.

Қурбанов Саламат

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

28 Dec, 18:15

10,880

Тилшиниң жаңа жыл тилеги.

Шаңарақларыңызда өмирлик жолдасларыңыз жол басшы болып баслаўыш болсын, жақпас нәрселердиң бәри гөне жылда қалып, ноқат қойылып баянлаўыш болсын. Өмирдиң даўамшылары болған ул-қызларыңыз шаңарағыңызды толықтырып толықлаўыш болсын. Олардың ҳәр бириниң ис-ҳәрекетлерин, орнын белгилеп, пысықлап отыратуғын пысықлаўыш болың. Дос-яран, қатар-қурбыларыңыз сизлердиң ағла пазыйлетлериңизди анықлап анықлаўыш болсын.
Табысларыңыздың изи даўамлы болып, ҳеш қашан ноқат қойылмасын. Жақсы күнлерде, байрамларда бир-биримизге айтатуғын гәплеримиз, тилеклеримиз үндеў гәп болсын!!!

Тилши муғаллимлерге жиберемиз.


Канал силтемеси👉
@qqshayirlar