Последние посты QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ (@qqshayirlar) в Telegram

Посты канала QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ
Maqsetim:
"Qaraqalpaq 🤵shayır hám 👩‍💼shayıraların tanıtıw".
Siz óz qosıqlarıńızdı kanalımızģa jaylastırmaqshı bolsańız
Bot mánzilimizge jazıń:
➡️ @qqshayirbot

Kanal 2017-jıl 1-iyunda ashıldı.
3,695 подписчиков
2,202 фото
589 видео
Последнее обновление 12.03.2025 09:41

Похожие каналы

Қарақалпақ Рус тилинде
21,468 подписчиков
🇺🇿 NavDPI_YI 🇺🇿
4,435 подписчиков
Андеграунд
4,148 подписчиков

Последний контент, опубликованный в QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ на Telegram

QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

08 Mar, 01:25

1,820

ҲАЯЛ

Гүли болып бул бес күнлик өмирдиң,
Ҳәр адымда саўап иске көмилдиң,
Сақлағаным ең төринде көңилдиң,
Бийиштиң гилтисең, муқаддес ҳаял!

Сизлер бар, жолымыз бәрҳәма ашық,
Шәўкилдеп жүреклер қуўанар тасып,
Мисли қуяш киби нурларын шашып,
Жолды жарытыўшы, теберик ҳаял!

Бириң – ана, бириң апа – қарындас,
Бириңиз дос-яран, бизге заманлас,
Алла инәм еткен өмирлик жолдас,
Шамшырақ, мийирман, әдиўли ҳаял!

×××

Ҳаялсыз бул өмир болар ма еди?
Ашықлар кеўили толар ма еди?
Анадан Аллаяр туўылмағанда,
Ўатаным -СТАНды алар ма еди?


Қосық авторы: Бекберген Адилбаев

Ҳүрметли устазлар, апалар, әжапалар, қарындаслар ҳәм дос-яранлар! 8-март Ҳаял-қызлар байрамы ҳәммеңизге мүбәрек болсын! Ҳәмме ўақыт бәҳәр гүллериндей ашылып, күлип-ойнап жүребергейсиз! Бәҳәрги кейпият жүзлериңизди ҳеш ўақытта тәрк етпесин!

Ҳүрмет пенен канал админстраторы Бекберген Адилбаев.

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

07 Mar, 01:43

5,435

🌹8-МАРТ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР БАЙРАМЫ ҚАЛАЙ ПАЙДА БОЛҒАН?

🟣Өтмишке нәзер таслайтуғын болсақ, бул күн ҳаял-қызлардың өз ҳуқықлары ушын гүресиў күнинен келип шыққан.

🔷1857-жылы 8-март күни Нью-Йоркта аяқ-кийим тигиў фабрикасының жумысшы ҳаял-қызлары 10 саатлық жумыс күни, жақты ҳәм қурғақ жумыс орынларын, және еркеклер менен теңдей айлық алыўын талап етип шығады. Себеби, сол пайытлары жүдә аз айлық пенен ҳаяллар күнине 16 саат жумыс ислеген. 8-март күнги сол ўақыядан соң ҳаяллар шөлкеми дүзиледи ҳәм оған биринши мәрте ҳаял-қызлар ағза болады.

🔷1910-жылы Копенгагенде өткен халықаралық конференцияда «8-март сәнесин халықаралық ҳаял-қызлар күни» сыпатында белгилеў усынысы көтериледи.

🔷«8-март – халықаралық ҳаял-қызлар күни» 1965-жылдан баслап дем алыс күни деп белгиленеди.

🔷Әсте-әсте бул күн ҳаял-қызларды қәдирлеў, ҳүрмет етиў ҳәм асырап-абайлаў күни сыпатында белгилене баслайды.

🤝 БӘРШЕ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРЫМЫЗҒА БАЙРАМ ҚУТЛЫ БОЛСЫН!!!
Бахтымызға аман-саў, бәҳәр гүллериндей ашылып, күлип-ойнап жүре бериң🌹🌹🌹

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

04 Mar, 01:43

2,486

Быйыл бәхәр кеш келеди деседи. И.Ю

Байланыс👉
@qqshayirbot

Канал👉
@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

01 Mar, 03:07

3,618

2020-Жылы 11-IV.
Қарақалпақ эстрада жулдызлары тәрепинен атқарылған "Рамазан келди" қосығы.

Байланыс👉@qqshayirbot

Каналымыз👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

01 Mar, 02:55

2,613

#рамазан_кирип_келмекте
#оразаның_пазыйлети

РАМАЗАН ОРАЗАСЫ ПАЗЫЙЛЕТИ

📖"Оразаның пазыйлети" китабынан.

🎙Текстти аудио монолог көринисинде Баҳадыр Сағыйдуллаҳ улы оқыды.


Дерек: paziylet.uz

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

01 Mar, 02:43

2,385

Ассалаўма әлейкум каналымыз оқыýшылары!

Рамазан ҳайыты байрамы менен каналымыз атынан қутлықлаймыз! Кеўлиңизге түйген барлық жақсы арзыў-нийетлериңиз, билдирген тилеклериңиз Алла дәргайында қабыл болып, иске аса бергей!
Шаңарақларыңызға қут-берекет, мол ырысқы-несийбе, бахыт тилеймиз!

Ҳүрмет пенен
@qqshayirlar жәмәәти!
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

27 Feb, 16:34

2,723

ЭЙ   БАЛАМ..Ә...

(Ақырына шекем оқың ҳәм танысларыңызға жиберип қойың)

Эй...балам..ә..
Балам отыз төртте еле жастайсаң ,
Тек мийиңе қонған жерин устайсаң .
Күнде ишер ҳәзлик деген жерлерде..
Бирге жүрген жораларды хошлайсаң .

Я бәне жоқ еки жора табысса ,
Жоражан деп ийинге қол салысса .
Олардың тек талабы жоқ белгили ,
Болғаны тек күнде  кеса қағысса.

Үйиңде малың тур мөңиреп шөллеп ,
Отын шап оннанда бир басып терлеп .
Газ , светти төлеў керек әмеллеп ,
Болмайды соларды алмасаң жөнлеп .

Басқалардай бай емессең  табыслы ,
Пайда түсер ири пулдан нағыслы .
Жора болып жүргеннен соң күн ара ,
Жақсылап бир күтиў керек танысты .

Тек аз болып барар жерге пулың кем ,
Бала шаға бағыў енди қыйын дең .
Мәслик еткен досларыңның кеўли деп ,
Тек соларға жүгиресең түрип жең .

Тапқаныңа қарар бала - шағаңда ,
Оны бағыў аңсат емес сағанда .
Мереке мейлиске баралмай турсаң ,
Уят екен  ақшасы жоқ адамға.


Өмир сондай әсте бара береди ,
Балаң өсип демде дәўир келеди .
Табысың жоқ той берерде қыйлансаң ,
Жәрдеми жоқ тек адамлар күледи .

Ақшасы көп ҳәзир көпғой  қарасаң ,
Жүргенине көрип ҳайран қаласаң .
Үйи сарай , қатар - қатар машина ,
Көз жас төгер бир тийин пул сорасаң .

Менде мий жоқ саған ақыл айтқандай ,
Достың болсын берген затың қайтқандай .
Бул заманда исенимли адам жоқ ,
Меҳир деген өз қәдирин жойтқандай .

Абайлап бас қәдемиңде   муқыят ,
Аяқты тақырда кеспесин қыяқ .
,,Шайнаған гүмәна - жутсаң сеники"
Берилмес несийбе  өлшеўден зыят .

Әй..балам...ә..
Умытпа бабалар айтқан нақылын ,
Тарта гөрме бул турмыстың жәбирин .
Келешекти алдын ойлап жүрегөр ,
Билетуғын саған айтар ақылым .

Демде өтер бул бес күнлик дүньяда....
Жары жолда жолсыз қалма  пияда....

Жаңабай Баймуратов.
      26...02 ..2025  жыл.


Байланыс👉@qqshayirbot

Каналал👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

07 Feb, 16:42

17,878

Л И М И Т
(Бердақ шайырға уқсатыў)

Алдыңғыдан ҳәзир жаман,
Не боп кетти мына заман,
Қыстан шықсақ есен-аман,
Бес жүз кубтан келди лимит.

Суўытып кетти үйлер, там,
Атпай кетти қурығыр таң,
Ыссы қәлер бул шийрин жан,
Бес жүз кубтан келди лимит.

Маған ҳеш гәп ошағым бар,
Отын салсам лаўлап жанар,
Әттең, жорам Алланазар,
Оған қыйын болды лимит.

Ол жорамның ошағы жоқ,
Электр қосыўға қымбат тоқ,
Бирақ өзи шустрый, шоқ,
Албыратты оны лимит.

Үйинде көп бала-шаға,
Дер: котёлды ашса аға,
Пул таўсылған жаға-жаға,
Бәле болды мына лимит.

Ашса котёл, ақшасы аз,
Күйдирип тур ток пенен газ,
Келеғойса тезирек жаз,
Қутылады сеннен лимит.

Счётчиги де турар қуўып,
Бөлмелери салқын, суўық,
Басына сондай күн туўып,
Себепшисең соған лимит.

Сол жорама болды қыйын,
Және той, мереке, жыйын,
Жыйнамады соқыр тийин,
Жеткермеди оған лимит.

Ел сайлаған депутатлар,
Халқың сорлы жылар, датлар,
Толсадағы группа, чатлар,
Өзгермеди сирә лимит.

Сағынбай Қурбанов
Хожели районы.

Кимге жибериўди өзлериңиз билесиз.

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

07 Feb, 16:23

9,361

ЛИМИТ...

Қ...Сағынбай
🎤Е...Зияда


Байланыс👉@qqshayirbot

Канал👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ

02 Feb, 16:17

12,231

Итибарлы болың ата- аналар!

Умыт қалған уйде китап, дәптери,
Қай жаққа  ушады кеўил кептери?!,
Қолда телефоннан басқа заты жоқ,
Устаз ақыл айтса бала өкпели,
Итибарлы болың , ата --аналар!

Муғаллимди  тыңламайды биразы,
""Нәренжан үш""алса болар наразы,
Аталарын ""танка""қылып айдайды,
Бир шекелеп таўсылмайды аразы,
Сизлер дурыс ақыл бериң аталар.

Бәршениң баҳасы ""томпақ бес""емес,
Жылаўы қолыңда еле кеш емес,
Телефонды алып қой да қолынан,
Қәне, күшти жыйнап бизге бир демес,!!
Келешек қолыңда әзиз аталар!

Муғаллим бақырса , ""ол сениң пайдаң"",
Бундай тилекшиңди табарсаң қайдан?!,
Алдында отырған отыз шәкирттиң,
""Орнын""гөзшелейди ең жақсы жайдан,
Муғаллим-- оң қолың , ата--аналар!!

Шашлары желбиреп көзлерин басқан,
Ҳәр уйдиң еркеси, кеўили тасқан,
Тал түсте тиресер шөже қораздай,
Қой деўге хожа жоқ кеўили аспан,
Сәл жүўенди тартып қойың аталар!

Оятып жибериң сәл пәл ертерек,
Сабақлардан көп қалмасын еркелеп,
Узын шашын жайып алған қызлардың,
Юбкалары күннен қүнге келтерек,
Гүлге   итибарлы болың, аналар!!

Форма емес ,қызың шалбар кийеди ,
Тыңламай кетеди ертең ""ийени"",
""Қызға қырқ уйден тыйыў демеспе?!,
Тәртипке шақырсақ сизге тийеди,
Бизге қап қолласың ата -- аналар!

Юбкасы жоқарыдан түрилип турар,
Кофтасы ярым белде илинип турар,
""Мине мен"" деп--сыртқы жаўдың көзин жеп,
Қулын мүшелери билинип турар,
Абайлы болайық ""гүлге""аналар!!!

Улың,  қызың телефонға үңилер,
Байқап қараң ""не нәрсеге "" тигилер,
Бәри қызық....еси барма олардың?!,
Ақыл қайда  жат нәрседен түңилер,?!!,
Итибарлы болың ата -аналар!!!

Муғаллимге ҳазар бермең жуўырып,
Сәл нәрсеге табан жолды қуўырып,
Тәрбиясы қолдан шыққан ул-қыздан,
Қалмағай бир күнде аўзың уўылып,
Абырой шерикпиз ата -аналар!!

Шикаятшы деген жақсы ат емес,
Жети атаңнан қалған ""салем хат ""емес,
Журт басшысы Президент айтқандай,
Муғаллим сизлерге ҳасла жат емес,
Тәрбия--мухаддес ,ата--аналар!!!

Қыйсық соқпақлардан  шаўып кетпесин,
Жүгиңиз бир жаққа аўып кетпесин,
Талап ислеп сен шет елде жүргенде,
Қызды ""қутырған ийт"" қаўып кетпесин,
Обалға қалмайық ,ата --аналар.

Күйе жағылмағай жүзлериңизге,
Жаман сөз ермегей излериңизге,
Баса көклеп муғаллимди сынамаң,
Биринши ""баҳа"" қойың өзлериңизге,
Палапан --уядан ата аналар!

Келешек қолыңда ата аналар!

Гүлистан Дәўлетова


👆Ата-аналарға жиберип қойсақ.

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал👉@qqshayirlar