Бойдақлықтың күни маған аянды,
Өмир тегис болмас жөнли, баянлы,
Зымыраған мына жалған өмирде,
Жолдасым деп айтарсаң тек саяңды.
Қара басты қайғырыуды билесең,
Бир шети қыз болар тилек тилесең,
Бойдақта ес болмас деген нақыл бар,
Есаýанлар қатарында жүресең.
Ким көринген дейди “үйлен советим”,
Тайын турар таңғы халқас, обетиң,
Үйленбесең ойың турмас бир жерде,
Сәл нәрсеге бузылады дәретиң.
Жүрген сайын шеберлиги асады,
Ол да бирақ бойдақлықтың азабы,
Өзи ушын өзи асып ауқатын,
Өзи кийим жууып, үтик басады.
Қашан енди деп ишеди қаныңды,
Ашыýланып жаның келер алқымға,
Оны тыңлап қыйнайберме жаныңды,
Жалғыз бойдақ сен емессең, тартынба.
Үйлен деген сөз жаңлайды қулақта,
Қәне өйтсең көптиң кеули толады,
Мен қәлеймен, сиз қәлейсиз бирақ та,
Бир Қудайдың қәлегени болады.
Үйленгенниң хәзи де өз алдына,
Ойланарсаң истиң барып парқына,
Сонша өмир бос өткендей болады,
Бир гидирип қарап көрсең артыңа.
Еки есе көбейеди шабысың,
Берекетли болар бирақ табысың,
Жалғыз емес, биргеликте тартасыз,
“Турмыс” атлы арбаның қос арысын.
Үйленбесең шын бахыттан дәме етпе,
Тәуекел ет, түрли ойды жәм етпе.
Имкан болса уақыт созбай жигитлер,
Үйлениңлер, жайың болсын жәннетте.
12.01.2025
Бабаниязов Қыдырнияз
Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96