Нөкис қаласы аймағында “Мүбәрек Рамазан айы”н жоқары ҳәм мүнәсип дәрежеде өткериўде, халқымыздың қәўипсизлигин, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм де жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўда илаж өткерилетуғын орынларда транспорт қуралларының ҳәрекетин ўақтынша шеклеў мақсетинде:
➖ "Салмен ата ийшан" мешити алдындағы Амир Темур көшесиниң Ислам сүўретши ҳәм Зиярат жолы көшелери аралығы;
➖ "Шайх Мухаммед Садық Мухаммед Юсуф" мешити алдындағы Нәўпир гүзары көшесиниң Саманбай гүзары ҳәм Шахсанем көшелери аралығы;
➖ "Ийман ийшан Мухаммед" мешити алдындағы 4Р-191 "Нөкис киши айланба жолы" автомобиль жолының 16,5 км ҳәм Билимлилер көшеси аралығы;
➖ "Муҳаммад Бахый ийшан" мешити алдындағы Жеке терек көшесиндеги 36-46-жайлар аралығы;
➖ "Аллаҳ берди Азиз" мешити алдындағы Халықлар дослығы көшесиндеги 5-43 үйлер аралығы;
➖ "Ережеп бий баба" мешити алдындағы Көк сарай көшесиниң Әмиў жағасы ҳәм Келешек көшелери аралығы усы жылдың 28-февраль күнинен баслап 31-март күнлери аралығында саат 19:00 ден 24:00 ге шекемги ўақыт аралығында (жағдайдан келип шыққан ҳалда) 3.1 «Кириў қадаған» жол белгилери ўақытша орнатылып, тийисли тосықлар менен жабылатуғынлығын мәлимлеймиз.
👉 @Karakalpak24