КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

@sabaqislenbe


Методикалық хызметлер


Тел: (91) 391 15 95
(99) 059 16 35


Админ: https://t.me/baeeev
Инстаграм: https://www.instagram.com/kundelik.kr

🟦🟧🟩

КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

14 Oct, 14:59


❤️​​ ҚарақалпақСТАНымызға бир әсир толды

Бизиң ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхымыз бар...
Ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы бабаларымыз бар...
Ҳәўес етсе арзыйтуғын бийбаҳа байлықларымыз бар...


❤️1924-жылы Орта Азия халықларын миллий шегаралаў, ҳәрбир миллетти ғәрезсиз республика етиў ҳаққында мәжилис болып өтипти. Мәжилисте өз халқының аты тилге алынбағанлығына ары келген Досназаров орнынан ушып турып:
Қарақалпақларды умытыўға кимниң ҳақы бар?,-депти.
Қарақалпақлар теңиз бойында жасаўшы, басына қара қалпақ кийгенлиги ушын сондай ат алған Хорезмниң өзбеклери ғой,-депти сол жерде отырған биреў.
Яқ, қазақлардың қара калпақлы бир ағайини,-депти және биреў.
Яқ, қарақалпақлар ақ қалпақлы қырғыздың қара қалпақлы егизеклери,-депти және биреў. Олардан кейин жер астынан шыққандай буўық бир даўыс:
Орта Азияда қарақалпақ деген бөлек миллет бар ма өзи?,-депти жүреклерге ғулғула салып. Досназаров бул гәплерге итибар бермей, мәжилис баслығынан рухсат та сорамай, туппа-туўры минберге шығып:
Жолдаслар, қарақалпақ  миллети бар!,-депти. Шаўқым басылғаннан кейин әллеким:
Тилиңиз кимлерге  жақын?,-депти.
Қарақалпақлар қарашай, ноғай, қумық, қазақ, қырғыз, түркмен, әзербайжан,  татар, башқурт тиллери менен бир теректиң ҳәртүрли шақларына уқсайды... Кейин ол Әжинияздың "Бозатаў" поэмасын оқып берипти. Оның гәплерин Калинин, өзбек Файзулла Хожаев, қазақ Сәкен Сейфуллин, түркмен Қайғысыз Атабаевлар қоллап-қуўатлап, қарақалпақлар бөлек бир халық екенин айтыпты. Ҳәмме бир аўыздан "Қарақалпақларға автономия берилсин!" деп әдеттегидей бир қолын емес, еки қолын да көтерипти. Ғаўырлы тынғаннан  кейин биреў:
Ҳәрбир миллеттиң атақлы адамлары болады. Бирақ, бизлер усы ўақытқа шекем қарақалпақлардың атақлы адамларын еситпеген екенбиз..,-депти.  Сонда Досназаров былай деп жуўап  берипти:
Қарақалпақ деген  халық барын еситпеген сиздей қулағы аўыр адам оның атақлы адамларын  қаяқтанам билсин?! Жақсылап еситип ал, айтаман! Өзбеклер ушын – Наўайы, түркменлер ушын – Мақтумқулы, орыслар  ушын – Пушкин, қазақлар ушын – Абай қандай қәдирли болса, Бердақ деген шайыр қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Мәмлекет баслықларынан мысал айтсақ, орыслар ушын Петр I қандай қәдирли болса, XVIII әсирде жасаған Маманбий биз қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Ҳәзирги дәўирге келсек, Ф.Хожаев – өзбеклердиң, С.Сейфуллин – қазақлардың ар-намысы ушын қандай гүрескен болса,  мине, мен – Аллаяр Досназаров солар қатарындаман,-деп сөзин тамамлапты. Соннан баслап Қарақалпақ сөзине "стан" қосымтасын қосып жаза баслапты. Сол бир ала сапыранлы XX әсирдиң жигирмаланшыл жылларындағы тарыдай шашылып жүрген қарақалпақ халқын бириктирип, оның мәмлекетлик шегарасын белгилеп, шаңарақ тиклеп берген ел перзенти  Аллаяр Қораз улы Досназаровқа әўладлар алғысы шексиз. Мине, усы тарийхый ўақыяға да бүгин 14-октябрь саррас 100 жыл толыпты. Халқымызды бүгинги әҳмийетли сәне – ҚарақалпақСТАНымыздың 100 жасқа толыўы менен шын жүректен қутлықлаймыз!

Мақтанышым – Қарақалпақстан!!! ❤️

📱 Telegram | 📱 Instagram

КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

07 Oct, 17:56


#ҳәзил_ўақты

Күн ҳәзили 😎

📱 Telegram | 📱 Instagram

КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

07 Oct, 17:28


#ҳәзил_ўақты 😎

Айлығын күтип отырған муғаллимлер

📱 Telegram | 📱 Instagram

КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

30 Sep, 19:00


#Muǵallimler_hám_ustazlar_kúni

Устаз деген кәсипти мен сүйемен,
Оған тил тийгизсе  жанып күйемен,
Неше үйдиң еркелеген баласын,
Адам етип шығарғанын билемен.

📱 Telegram | 📱 Instagram

КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

31 Aug, 16:44


#ҳәзил_ўақты 😎

Педагогикалық кеңес қалай өтти?
😉

📱 Telegram | 📱 Instagram

КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

24 Aug, 18:03


📆 КҮНДЕЛИК каналынан 2024—2025 оқыў жылы ушын қарақалпақша календарь

ТАНЫСЛАРҒА ЖИБЕРЕМИЗ 🚀

📱 Telegram | 📱 Instagram

КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

02 Jun, 06:09


🎓 БАКАЛАВР ҳәм МАГИСТР питкериўшилери ушын ДИПЛОМ ҚОРҒАЎ ЖУМЫСЛАРЫ ПРЕЗЕНТАЦИЯСЫН ТАЯРЛАП БЕРЕМИЗ

КҮНДЕЛИК каналының ПРЕЗЕНТАЦИЯ жумысында төмендеги мүмкиншиликлер бар: 👇

🟢 орфографиялық қәтесиз жазыў;
🟢 cлайдтағы сөзлерди дурыс, орынлы пайдаланыў;
🟢 cүўретлерди дурыс таңлаў;
🟢 cүўретлердиң сапалылығы;
🟢 ҳәриплердиң реңлерин дурыс пайдаланыў;
🟢 фонның темаға, сөз ҳәм сүўретке сәйкеслиги.

🔨 @baeeev
☎️ (91) 391 15-95
(99) 059 16-35

ПИТКЕРИЎШИЛЕРГЕ ЖИБЕРЕМИЗ 🚀

 📞  Telegram | 📞 Instagram

КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

31 May, 19:52


❤️ 1-ИЮНЬ — ҚАҲАРМАН — АЛЛАНИЯЗ ӨТЕНИЯЗОВ ТУЎЫЛҒАН КҮН

АЛЛАНИЯЗ ӨТЕНИЯЗОВ:
🟢1936-жылы 1-июньда Кегейли районының Қазаяқлы аўылында туўылған.

🟢1962-жылы Т.Г.Шевченко атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик педогогикалық институтының шет тиллери факультети, англичан тили қәнийгелигин ағла баҳаларда тамамлаған.

🟢 1962-жылдан 2002-жылға шекем пүткил мийнет жолын билим тәжирийбесин Нөкис районы 4-санлы мектепте англичан тили муғәллими болып пидәйы хызмет етиўге бағышлаған.

🟢Ол қайыр сақаўат ислерин 1954-жылдан баслаған.

🟢2006-жылы 27-январьда дүньядан өтти.

📹 ТОЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ

❤️ УЛЛЫ БАБАМЫЗДЫҢ МУҚАДДЕС ЕСТЕЛИГИ ҲӘМ ҚАҲАРМАНЛЫҒЫ АЛДЫНДА БАС ИЙЕМИЗ!

 📞  Telegram | 📞 Instagram

КҮНДЕЛИК | KÚNDELIK

14 May, 18:52


#конституциям

❤️ Қарақалпақстан Республикасы #Төрткүл районы 50-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм мәмлекетлик герби қабыл етилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен тарийх, ҳуқық ҳәм география пәни муғаллимлери тәрепинен байрам кешеси шөлкемлестирилди.

📝 Шөлкемлестириўшилер: А.Агимсалов, С.Нурбаев, Ө.Тәжибаев.

🏫 Мектеп администрациясы ҳәм жақыннан жәрдем берген оқыўшы ҳәм устазларға көп-көп рахметлеримизди айтып қаламыз.

🎬 САПАЛЫ ЕТИП КӨРИЎ

 📞  Telegram | 📞 Instagram