Kórgizbe qurallar

@korgizbequrallar


Қарақалпақстан устазлары ушын керекли
📚 көргизбе қураллар
📚 сабақ исленбелер
📚 слайдлар
📚 сценарийлер
📚 тестлер
жәмленген каналға хош келипсиз.

Тәлим-тәрбияны раўажландырыўға биргеликте үлес қосайық!

Kórgizbe qurallar

21 Oct, 08:06


❗️Мектеплерде гүзги дем алыс ўақты жәрияланды

Улыўма билим бериў мектеплеринде 4-ноябрьден 10-ноябрьге шекем гүзги дем алыс бериледи.

🗓️ 10-ноябрьден гезектеги шерек басланады.

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

Kórgizbe qurallar

18 Oct, 05:19


Alım bolsań - álem seniki.

Bilim uyat emes, oqımaw uyat.

Ne oqıǵanıńdı emes,
Ne bilgenińdi ayt.

Oqıw - oy azıǵı,
Bilim - er azıǵı

Ilim - bulaq,
Aqıl - shıraq.

Bilegi kúshli birdi jıǵadı,
Bilimi kúshli mıńdı jıǵadı.

Oqıǵan ozar,
Oqımaǵan tozar.

Aqıl azbaydı,
Bilim tozbaydı.

Bilimniń kópligi joq,
Ónerdiń artıqlıǵı joq.

Jasta alǵan bilimiń,
Tasqa jazǵan xat penen teń.

Oqıy berseń kóziń ashılar,
Jata berseń uyqı basar.

Kitap bilim bulaǵı.
Bilim ómir shıraǵı.

Kúsh - bilimde,
Bilim - kitapta.

Mektep-keme,
Bilim - teńiz.

Bilim iyne menen qudıq qazǵanday.

Aqılı kámil, ilimi zor,
Bilimli el bolmaydı xor.
    Berdaq

Bilmegenin sorap úyrengen alım,
Arlanıp soramaǵan ózine zalım.
                                 A. Nawayı

Bilim menen baxıt jolı ashıladı.
Sonıń ushın ilimli bol, baxıt jolın izle.
   Axmad Yugnakiy

Az-azdan úyrenip dana bolar,
Tamshı-tamshı jıynalıp dárya bolar.
Alisher Nawayı

Ilimnen jaqsıraq ǵáziyne bolmaydı,
Qolıńnan kelgenshe tere alsań bolǵanı.
  Abu Abdulloh Rudakiy
#bilim haqqında

https://t.me/korgizbequrallar

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 18:16


#Jol_qaǵıydası

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 13:55


⚡️ Emaktab.uz системасында шеклеўлер алып тасланды

📌 Тезирек қойылмаған баҳаларды қойып таслаң, болмаса тағы шеклеў қойылыўы мүмкин.

Еслетпе: Системада баҳаланбаған сабақ ушын оқытыўшыға ис ҳақы төленбейди.

👉15% қосылған ҳалда есаплаўшы @Oylik_hisoblaydigan_bot

Ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 13:54


👆Миллий сертификатқа ққтилден таярланаман десеңиз хабарлассаңыз болады.
Абитуриент балларыңыз болса да хабарласарсыз.

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 13:54


Barshe sabaqlar nolden baslap uyretiledi.
Sabaqta kundelikli testler, Sertifikat ushin arnawli testler, blok testler, materiallar, tema tusindiriwler menen alip bariladi.


📞📞📞 Baylanis ushin tel:
+998907273405
+998933603005
📕🖌 Dizimnen otiw ushin
Telegramm @ibatovjaras

Группаға ағза болың
👇👇👇👇👇

https://t.me/QQTARIYX07

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 13:54


🤝🤝🤝 Assalawma aleykum, hurmetli ustazlar ham de oqiwshi jaslar!!!

👨‍🏫👨‍🏫🙎‍♀ Sizlerdi jana 2025-jil oqiw jili ushin Tayarliq kurslarimizga mirat etemiz.
Bizlerdin tayarlaw jonelisimiz Gumanitar panler:

📔 Tariyx
📔 Qaraqalpaq tili ham adebiyati
📔 Huqiqtaniw
📔 Majburiy panlerden

👉Abiturientlerdi Joqari oqiw orinlarina tayarlaw:

👉Usi panlerden MILLIY SERTIFIKAT:

👉 Mamleketlik Attestaciyaga tayarlaw:

👉 9-klass oqiwshilarin Temuriyler mektebi, IIV akadem liceyi ham Akademiyaliq liceylerge tayarlaw:

Milliy sertifikat ushin Abiturientler, Studentler, Ustazlar tayarlansa boladi. Sonin menen birge Ustazlar ushin mamleketlik attestaciya ushin tayarliq alip bariwlari mumkin.

Bizde:
Tajiriybe 20 jilliq
Milliy sertifikattan algan natiyjemiz 86 ball. [Usteme ushin]

Barshe sabaqlar nolden baslap uyretiledi.
Sabaqta kundelikli testler, Sertifikat ushin arnawli testler, blok testler, materiallar, tema tusindiriwler menen alip bariladi.

🏢🏢🏢 Manzilimiz: 1 sanli akademiyaliq licey qasindagi "Avto mektep" imarati ishinde.
Joldin boyi. Bagdar-QMU.

📞📞📞 Baylanis ushin tel:
+998907273405
+998933603005
📕🖌 Dizimnen otiw ushin
Telegramm:
@ibatovjaras

Qabillaw Avgust ayinin 20-sanesinen Sentyabr ayinin 15-sanesine shekem dawam etedi.
Bul 1 shi toparlar ushin.

2 shi toparlar Sentyabr 15 nen, Oktyabr 15 ne shekem dawam etedi.
Asigin 🪑🪑🪑 orinlar sheklengen.

Sabaqlarimiz OFFLAYN.
QOSIMSHA ONLAYN arnawli gruppalarimizda bar.
Tolemler kelisimli.


👇👇👇👇👇
https://t.me/QQTARIYX07

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 05:20


Муғаллимлерге материаллық жәрдем пулы қандай жағдайларда бериледи?

Нызамшылыққа бола, улыўма билим бериў мәкемелериниң хызметкерлерине материаллық жәрдем олардың мүрәжатына бола ямаса улыўма билим бериў мәкемелери кәсиплик аўқамы шөлкеминиң басламасы бойынша:

1⃣ айрықша жағдайларда, яғный жақын ағайини (әкеси, анасы, өмирлик жолдасы, перзенти) қайтыс болғанда;

2⃣ хызметкер ямаса оның жақын ағайини (әкеси, анасы, өмирлик жолдасы, перзенти) аўыр жарақат алғанда;

3⃣ аўыр кеселликке шатылғанда;

4⃣ хызметкер тәбийғый апаттан зыян көргенде көрсетиледи.

Демек, сиз аўыр кесел болып 10 күн емленгениңиз ушын материаллық жәрдем пулын алыўға ҳақылысыз. Егер материаллық жәрдем пулын бериўди бийкар етсе, районлық (қалалық) Әдиллик бөлимине арза менен мүрәжат етиўиңиз керек. Олар жағдайды үйренип шығып, сизиң материаллық жәрдем пулын алыўыңызға әмелий жәрдем береди.

👉 @Karakalpak24

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 05:20


❗️Нызамшылықта муғаллимлерге берилген айырым жеңилликлер менен танысың

🔹1-октябрь "Муғаллимлер ҳәм устазлар күни" деп белгиленген ҳәм бул күн байрам (дем алыс) күни есапланады.

🔹Балаларға тәлим-тәрбия беретуғын барлық педагог хызметкерлер турақлы түрде бийпул медициналық тексериўден өткериледи.

🔹Педагоглар ушын 56 күнлик жыллық ҳақы төленетуғын узайтырылған дем алыслар бериледи.

🔹Педагог хизметкерлер ушын жумис ўақтының даўамыйлығы ҳәптесине көби менен 36 саат етип белгиленеди.

🔹 Мектеп муғаллимлерине жумысты баҳалаў нормалары тийкарында 10 проценттен 40 процентке шекем, китапханашы ҳәм психологларға 10 проценттен 20 процентке шекем үстеме белгиленеди.

🔹 Пән олимпиадасының жеңимпазын таярлаған оқытыўшылар хошаметленеди.

🔹Муғаллимлер наўқас болып қалганда материаллық жәрдем бериледи.

🔹Олимпиада жеңимпазы болған муғаллимлерге 150 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Өзи сабақ беретуғын пән бойынша халықаралық тән алынған ҳәм миллий сертификатқа ийе болған муғаллимлерге олардың тариф ставкасына салыстырғанда 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

🔹"Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп" таңлаўының жеңимпазы болған мектепке ярым миллиард сум бериледи.

🔹Инклюзив класс муғаллимлерине 40 процентке шекемги үстеме бериледи.

🔹Алыс аймақларда сабақ берип атырған муғаллимлерге 50 процентке шекем үстеме бериледи.

🔹Математика, физика, химия ҳәм биология пәнлери бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған профессор-оқытыўшыларға ақшалай пул сыйлығы бериледи.

🔹Көп жыллық стажға ийе педагоглар мәжбүрий аттестацияга тартылмайды.

🔹Халықаралық пән олимпиадаларын таярлаған оқытыўшыларға маманлық категориясы аттестациясыз бериледи.

🔹Республикалық пән олимпиадасы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлердиң маманлық категориясы бир басқышқа арттырылады.

🔹Медицина тараўы профессор-оқытыўшыларына емлеў-диагностика жумысларын орынлағаны ушын қосымша ҳақы төленеди.

🔹Билимлендириў мәкемелериниң шет тиллери пәни муғаллимлерине айлық үстемелер бериледи.

❗️Оқытыўшылардың жумысына араласқанлық ушын жуўапкершилик бар.

👉 @Karakalpak24

Kórgizbe qurallar

03 Oct, 05:18


Сабаққа кешигиў ямаса формада болмаў оқыўшыны сабақтан шығарып жибериўге себеп бола алмайды

Сабаққа кешигиў, оқыўшылар тәрепинен оқыў қуралларының алып келинбеўи ямаса мектеп формасының жоқлығы оқыўшыны сабаққа киргизбеўге тийкар бола алмайды. Билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процеси «нызамлылық, демократиялық, кемситиўге жол қоймаў ҳәм ҳүрмет» принциплерине тийкарланыўы керек, делинеди хабарда.

Сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 28-июльдеги 246-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Улыўма орта билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртиби ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары»на бола, муғаллимлер жәмәәт ағзалары ҳәм басқалардың шахсын, қәдир-қымбатын кемситиўи, оқыўшыларды сабақтан тийкарсыз шығарып жибериўи ямаса киргизбеўи ҳәм де қоңыраў шалынғаннан кейин оқыўшыларды класта услап турыў мүмкин емес.

НЕ ЖАҢАЛЫҚ

Kórgizbe qurallar

01 Oct, 05:39


#Архив_дереклеринен

МУҒАЛЛИМ

📜Муғаллим - ол артист, бирақ та,
Оған ҳеш ким қол шаппатламас.
Скульпторға да кетер усап,
Бирақ, оны баҳалаўшы аз.

Муғаллим - ол врач, бирақ та,
Елестирмес емлегенлери.
Мегзейди тап том-том китапқа,
Маңлайының терлегенлери.

Муғаллим - ол мийнеткеш адам,
Бинят болған қуяштан нурдан.
Өйткени ол - ҳәр бир баладан,
Жаратады ҳақыйқый инсан...

Толыбай Қабулов,
1990-жыл.

5,746

subscribers

17,006

photos

1,220

videos