XALÍQ USHÍN ⚖️

@xaliq_ushin


Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар

Хабарласыў: @trillion_uzb

Est. 10.04.2020.

XALÍQ USHÍN ⚖️ (Uzbek)

XALÍQ USHÍN is a Telegram channel dedicated to the latest laws, decisions, and legal news. Established on 10.04.2020, this channel aims to keep its subscribers informed about the legal developments in Uzbekistan. Whether you are a legal professional, a law student, or just someone interested in staying up-to-date with the legal landscape of Uzbekistan, XALÍQ USHÍN is the perfect channel for you. With a focus on providing accurate and timely information, this channel serves as a valuable resource for anyone looking to stay informed about legal matters in the country. For more updates, you can also follow their channel @trillion_uzb. Stay informed, stay updated with XALÍQ USHÍN ⚖️!

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 13:24


❗️Бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлардың балаларының бақша төлемин мәмлекет қаплайды

🔰 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы ПП-87-санлы Пәрманына муўапық, бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлардың:

👉 мектеп жасына шекемги балалары ушын мәмлекетлик бақшаға төленетуғын төлемнен азат етиледи;

👉 3 жасқа шекемги болған балалары ушын мәмлекетлик емес (меншик) бақшаға төленетуғын төлемин қаплаў ушын мәмлекеттен субсидия ажыратылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 10:09


Хызметкерди пенсия жасына толғанлығы себепли жумыстан босатыў мүмкин бе?

📙 Алдынғы Мийнет кодексиниң (30.04.2023-жылдан өз күшин жоғалтқан) 100-статьясында жумыс бериўши хызметкерди жумыстан босатыўы мүмкин болған тийкарлар көрсетилген болып, олардың қатарында «хызметкердиң пенсия жасына толғанлығы, нызамшылыққа муўапық жасқа байланыслы мәмлекетлик пенсиясын алыў ҳуқықы пайда болғанлығы» тийкары да бар еди.

❗️Мине сол статья тийкарында баслық хызметкерди пенсия жасына толғанлығы себепли жумыстан босатып жибериўи мүмкин еди.

Бирақ, жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң (30.04.2023-жылдан күшке кирген) 161-статьясында жумыс бериўшиниң басламасы менен мийнет шәртнамасын бийкар етиў тийкарлары қатарынан «хызметкерди пенсия жасына толыўы себепли жумыс бериўшиниң мийнет шәртнамасын бийкар етиў ҳуқықы» шығарып тасланған.

☝️Демек, жаңа Кодексе бола, енди баслық хызметкерди пенсия жасына толғанлығы себепли жумыстан босата алмайды.

⚠️ Пенсия жасына толған хызметкер жаңа Мийнет кодексиниң 161-статьясында көрсетилген басқа тийкарлар бойынша жумыстан босатылыўы мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 07:55


❗️«Орайлық Азия» емес «Түркстан»

Туркияның миллий билимлендириў министрлиги таза оқыў бағдарламасында «Тарийх» пәнине өзгерис киргизип, «Орайлық Азия» орнына «Түркстан» түсинигин киргизген.

Буннан мақсет келешек әўладларды түркийлик, миллий сана, ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў екен.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 05:25


⚡️Техникум директоры ҳәм орынбасарлары ашық таңлаў арқалы таңлап алынады

💼 Президенттиң 16.10.2024-жылдағы ПП-158-санлы Пәрманына тийкар, 2025-жыл 1-январдан баслап техникумлардың директор ҳәм директор орынбасарларына талабанларды ашық таңлаў тийкарында таңлаў тәртиби енгизиледи.

🎓Сондай-ақ, 2025/2026-оқыў жылынан белгиленген техникумларда халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизиледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

22 Oct, 03:24


⚡️Спидометрге қарап турың!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 15:13


⚡️«Whats» пирамидасын жүргизип атырған топар баслығы қолға алынды

🚫«Whats» атамасы менен шөлкемлестирилген платформа арқалы адамлардың қаржыларын алдаўшылық жолы менен өзлестирип келген топар жумысына шек қойылды.

☝️Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, усы жыл август айынан бери шағым еткен 500 ден артық жәбирленгенлердиң көрген улыўма зыяны муғдары 4 млрд сумды қураған.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 12:14


Ата-ана баласын таслап сырт елге шығып кете алама?

“Қәўендерлик ҳәм әменгерлик ҳаққында”ғы Нызамның 20-статьясына тийкар, ата-ана 3 айдан артық муддетке жасаў орнынан басқа жерге ямаса сырт елге кетип баратырғанда өзиниң баласына қәўендер (васий) ямаса әменгер (ҳомий) тайынлатыўы шәрт.

🔰 Егер ата-ана 3 айдан азырақ мүддетке басқа жерге ямаса сырт елге кетип баратырған болса, өзиниң баласын жақын туўысканларына ямаса ағайинлерине қалдырыўы керек.

📝 Ата-ана жасаў жеринен 3 айдан артық шығып кетиўинен кеминде бир ай алдын өзиниң баласына қәўендер ямаса әменгер тайынлатыўы ушын жасаў жериндеги қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйымына арза бериўи керек.

🔖 Балаға қәўендер ямаса әменгер район (қала) ҳәкиминиң қарары менен тайынланады.

❗️Ата-ана жасаў жеринен 3 айдан артық мүддетке кетип баратырып өзиниң баласына қәўендер ямаса әменгер тайынлатпаса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-7-статьясына тийкар 1,8 млн сумға шекем жәриймаға тартылыўы мүмкин.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 08:08


⚡️“Дәптерлер”деги шаңарақлардың балаларына мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары бийпул бериледи

Министрлер Кабинетиниң 07.06.2022-жылдағы 312-санлы қарарына тийкар, “Темир дәптер”, “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киргизилген шаңарақлардың оқыўшы балаларының мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары қәрежетлери жылына 1 мәрте мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи.

☝️Бул жеңилликтен усы дәптерлерге кирген шаңарақлардың барлық балалары мектепте нешинши класта оқыўына қарамастан пайдаланады.

💰 Мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары ушын қәрежетлер район (қала) “Жаслар дәптери” фонды есабынан қапланады.

📝 Жеңилликтен пайдаланыў мәселесинде Жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлимине хабарласыў керек.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 07:47


⚡️Перзентлериниң тәрбиясына қызығыўшылар дыққатына!

👶🏻 Баланың психологиясына ҳәзирги күнде ата-аналар көбирек итибар бериўди баслады, психология илимине қызығыўшылар саны да артып бармақта. Мине сондай ата-аналар ҳәм болажақ ата-аналар ушын перзент тәрбиясына байланыслы қызықлы мағлыўматлар ҳәм кеңеслерди усыныўшы қарақалпақ тилиндеги Бала психологиясы каналы ашылыпты.

😊 Каналда мына мағлыўматларды оқып қызығып қалдым:
▫️Ананың даўысы менен перзентинде эндорфин ислеп шығарылыўы күшейеди екен ҳәм бул аўырыўды азайтады екен.
▫️Балаңыздан өзиңиз ериспеген «Уллы ислерди» талап етпең, себеби…
▫️Перзентиңиз тәрбиясы ушын билип қойған мақул болған ҳәрекетлер
▫️Баланың қорқынышлары қалай пайда болады?
▫️Өкпелегиш бала менен қандай қатнаста болыў керек?
▫️Баланың салған сүўретлери оның ишки руўхыятын аңлатыўы ҳәм шаңарақтағы проблемаларды көрсетиўи мүмкин

Каналға ағза болыўды мәсләҳәт беремиз, пайдасы тийсе тийеди да, дым зыяны тиймейди!

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 06:53


⚡️Айдаўшылар дыққатына! «А» ҳәриби сызылған айрықша ажыратылған жолаққа итибарлы болың!

Жолларда «А» ҳәриби сызылған, айрықша ажыратылған жолақта тоқтап турып, автобус ҳәм басқа жөнелисли транспорт қуралларының ҳәрекетине кесент еткен айдаўшыларға жәрийма салынбақта.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128 ҳәм 128-6-статьяларына көре, ҳеш қандай себепсиз усы жолақтан ҳарекетленген айдаўшылар БЕМның 50% (187500 сум), жолақта себепсиз тоқтап турған айдаўшылар болса – БЕМның 2 есеси (750000 сум) муғдарында жәриймаға тартылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

21 Oct, 05:56


🎉 Бәршени 21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн менен қутлықлаймыз!

🧰 Сол мүнәсибет пенен өзбек тилинде көп жазатуғынлар ушын айырым ешейин онлайн хызметлер дизимин усынамыз:

Tahrirchi: өзбек тилиндеги текстлерди сапалы редакторлаўға жәрдем береди. Ол арқалы өзбек тилинен қарақалпақ ҳәм басқа тиллерге текстлерди аўдарыўға болады.

Tilmoch: жасалма интеллект пенен ислейтуғын дилмаш.

Lotin: өзбек тилиндеги текстлерди латыннан кириллге ҳәм кириллдан латынға аўдарады.

Matn: бул латын ҳәм кирилл әлипбесиндеги текстлерди аўдарады. Сайтта түсиндирме сөзлиги де бар.

Imlo: өзбек тилиндеги сөзлердиң дурыс жазылыўы бойынша жәрдем бериўши сайт. Әсиресе «х» ҳәм «ҳ» ҳәриплерин алжастырыўшылар ушын пайдалы.

Izoh: өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги.

@LotinKiril_bot: текстлерди латын-кирилл яки кирилл-латын көринисинде Telegram арқалы аўдарыўшы бот.

@bexato: текстлерди латын-кирилл яки кирилл-латын көринисинде Telegram арқалы аўдарыўшы бот. Бул ботқа файлды тасласаңыз, сол файлдағы барлық текстти аўдарып береди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

20 Oct, 12:51


❗️Қайырқомлық ушын жумсалған пул салыққа тартылмайды

Нызам менен өзгелер күтимине мүтәж жалғыз кекселерге, жалғыз жасаўшы кекселерге ҳәм майыплығы болған шахсларға қайырқомлық етиў ушын жумсалған пуллар салық базасын анықлаўда алып тасланатуғын қәрежетлер қатарына киргизилиўи нәзерде тутылмақта.

☝️Яғный, мысал ушын фирманың счетынан жалғыз жасаўшы кексеге жәрдем ретинде азық-аўқат өнимлерин алып берсе, ол фирманың төлейтуғын салығын есаплаўда сол азық-аўқат өнимлерине жумсалған пул есапқа алынбайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

20 Oct, 08:13


“Әке” деп аталған бул қысқа метражлы мульфильм Оскар сыйлығына ылайық деп табылған.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 12:41


❗️Мектеплерде гүзги дем алыс ўақты жәрияланды

Улыўма билим бериў мектеплеринде 4-ноябрьден 10-ноябрьге шекем гүзги дем алыс бериледи.

🗓️ 10-ноябрьден гезектеги шерек басланады.

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 10:20


⚡️Пара сораў, дәмегөйлик яки басқа коррупция жағдайларына дус келсеңиз anticorr.uz ға мүрәжат жоллаң!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңеси тәрепинен «Anticorr.uz» платформасы иске түсирилди! Платформа тест режиминде жумыс алып барып атыр. Платформа арқалы сиз мүрәжатыңызды онлайн түрде тиккелей Аймақлық кеңеске жоллай аласыз.

🤫Сизиң аты-жөниңиз толық сыр тутылады.  

👇Мүрәжатыңызды төмендеги усыллар арқалы жоллаўыңыз мүмкин:

▫️Anticorr.uz сайты
▫️Android:  Жүклеп алыў
▫️iOS: Жүклеп алыў
▫️Telegram бот: @anticorr_uz_bot

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 09:37


⚡️Айырым пуқаралар ID-картаны алмастырыў төлеминен азат етилди

Өзбекстан Республикасының 18.10.2024-жылдағы ӨРН-977-санлы Нызамына тийкар, төмендеги пуқаралар жойтылған ямаса жарамсыз болып қалған ID-картасын яки биометрикалық паспортын алмастырыўда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилди:

✔️өзгелер күтимине мүтәж кекселер;

✔️жалғыз жасаўшы кекселер;

✔️майыплығы болған шахслар.

❗️Сондай-ақ, Социаллық қорғаў миллий агентлиги пуқаралық ҳәм ҳәкимшилик ислери бойынша судларға арза жазыўда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 07:02


Бала асырап алған хызметкер «декрет»ке шыға алама?

Мийнет кодексиниң 406-статьясына муўапық, жаңа туўылған баланы перзентликке алған ямаса оған қәўендер етип белгиленген хызметкерге социаллық дем алыс бериледи.

📆 Бул дем алыстың мүддети бала асырап алынған күннен басланып бала туўылған күннен баслап 56 календарь күн (2 ҳәм оннан артық бала асырап алынғанда 70 календарь күн) жуўмақланғанға шекем белгиленеди.

💰Хызметкерге усы дем алыс ўақты ушын орташа айлығының 100% муғдарында (егер хызметкер 12 айдан аз ислеген болса 75%) напақа төленеди.

🚼 Бала асырап алған ямаса қәўендерликке алған хызметкерге оның жазба арзасына тийкар, бала 2 жасқа толғанға шекем напақа төленетуғын ҳәм 3 жасқа шекем напақа төленбейтуғын социаллық дем алыс бериледи.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 05:41


❗️ Бир мәрте түкириў – 5 млн 300 мың сум!

Туркияның Болу муниципалитети 31.07.2024-жылдан баслап сигарет қалдығы, туқым, шығынды таслаған ҳәм жерге түкиргенлер 14104 лираға (420 АҚШ доллары) шекем жәриймаға тартыўды баслаған.

Жәриймадан түскен пулларға ҳәмме жерге камера орнатыўда пайдаланылмақта.

Видеодаға пуқара сигарет қалдығын таслағаны камераға түсип қалғанын билип, дәрриў оны алып, камераға қарап кеширим сораған.

П/С: Бир түкириў яки сигарета қалдығын таслағаны ушын 420 доллар төлеген адам қатты ойланатуғын болатуғын шығар. Өзбекстанда шығынды таслағанларға 375000 сумнан 1,1 млн сумға шекем жәрийма белгиленген, бирақ сонда да нәтийже күтилгендей болмай атыр. Бәлким Туркиядағыдай адым жерге камера қойылса «эффект» берер.

☝️Ҳүрметли ўатанласлар, жәрийма төлемеў ушын емес «улыўма үйимиздиң» тазалығы ушын дус келген жерге «мусор» тасламаўды балаларымызға үйретейик!

🔔 Постты ҳәммеге тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

19 Oct, 05:02


⚡️2025-жылы айырым салықлар көтерилмейди

Өзбекстан Экономика хәм қаржы министриниң орынбасары А.Хайдаровтың мағлыўматына көре, бир қатар салықлар, соның ишинде ҚҚС ҳәм пайда салығы бойынша ставкалар өзгериссиз қалады (басқа салықлар ҳаққында анық мағлыўмат айтылмаған).

Бюджет дефицити 2024-жылы тастыйықланған 4% әтирапында сақланады, 2025-жылы ҳәм кейинги жыллары 3% шекем пәсейтириледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар

XALÍQ USHÍN ⚖️

18 Oct, 13:09


💰Айлығы аз пуқараларды дәрамат салығынан азат етиў усыныс етилмекте

Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы өзиниң сайлаў алды бағдарламасында жасырын экономиканың үлесин азайтыў ҳәм рәсмий секторда бәнт болған халықтың санын көбейтиў процеслерин өзиниң мақсетлериниң бири етип белгилеген.

Партияның пикиринше, пуқаралар дәраматларының салыққа тартылмайтуғын «минимум» муғдарын көбейтиў социаллық теңсизликтиң алдын алыўға, кәмбағаллықты қысқартыўға жәрдем береди.

Партия тәрепинен берилип атырған усынысқа көре, пуқаралардың айлығының 3 млн 465 мың сумға шекем болған бөлегине дәрамат салығы қолланылмайды. Буның нәтийжесинде пуқаралар ҳәр айда қосымша 400 мың сумнан зыятрақ қаржыға ийе болады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар