Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

@kketnografiya


Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.
Байланыс ушын:
@Allamuratova1512

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

20 Oct, 12:47


Солай етип, арнайы "төркинлетиў" тек еки рет ғана болады, оннан басқа ўақытта келип-кетиўи-"төркинлеў" болып табылады.
         ТӨРКИНЛЕЎДИҢ халықлық, дәстүрлик әҳмийети күшли ҳәм ол ҳаялларға ғана тән дәстүр. Халқымыз дәстүринде қыз~төркинлеп,  күйеў--қайынлап, жийен---дайылап қыдырып барады.
         ТӨРКИНЛЕЎ~ҳәр бир турмысқа шыққан  қыздың парызы.

Shahzoda Allamuratova

t.me/shahzoda_allamuratova

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

20 Oct, 12:47


#салт_дәстүр

ТӨРКИН, ТӨРКИНЛЕЎ.

ТӨРКИН~атлық, туўысқанлық атама.
           Қыз ержетип, ата-анасы қутлы орнына қондырып, узатқаннан кейин, қыз ушын ата-анасының үйи "төркин" деп аталады. Тек ғана өз үйи төркин болып қалмастан, туўылған аўылы, ели қыздың төркини болып есапланады.
          Мине, соның ушын да "төркин" сөзи тек ҳаял адамға қолланылады. Оң жақта отырған [турмысқа шықпаған] қыз ушын бул сөз қолланылмайды, егер де жаңсақлық ямаса билип турып қыз балаға бул сөз қолланылса, онда бул уят ҳәм ерси болып табылады. Бурынлары бул сөзди қыз бала ушын қолланғанларға, қызды жәбирледи деп айып пул төлеткен.

         Төркин~узатылған қыздың ет-баўыры елжиреп, мийримлилик пенен қатнас жасайтуғын қәдирли журты. Қыз узатылған жеринде қанша бахытлы болып жасаса да, жүрегиниң бир бүйиринде төркини турады. Бул қыздағы туўысқанлық сезимлерди, мийримлиликти билдиреди. Төркин тәрепи тыныш, аманлық болса, қыз ушын буннан артық бахыт жоқ. Егер де төркининде ата-анасы аўырыў, қарайтуғын ул перзенти я басқа қәўендери болмаса, кеткен қыз артына қарайлай береди, ата-анасын ўайымлап ишкен асы бойына тарамайды. Гейде бундай жағдайды қыздың ата-енеси түсинип, оның қарасып турыўына жәрдемлеседи. Ҳәттеки, оның туўған балаларының биреўин ата-анасының баўырына салыўды кеңес еткен.

      <<Төркин десе~қыз төзбейди>>--деген нақыл сөз де усындай турмыслық жағдайлардан келип шыққан. Буннан басқа "Жаман қатын төркиншил", "Төркини жақынның төсеги жыйылмас",--деген нақыл сөзлер турмыслық  тәжирийбелерден алынып, шаңарақтағы гейпара өкпешил, салақ, үйине, бала-шағасына дурыслы күтим жасамайтуғын ҳаяллардың  ғыйт етсе, болар-болмасқа төркинине қарап шаба бериўине қарап айтылған.
        Турмыстағы усындай ҳаяллар ҳаққында, ҳаялдың төркиншил болыўының себепли ҳәм себепсиз түрлери ҳаққында биз бурын <<Жаман қатын төркиншил>> деген темада мақала жәриялаған едик.

       <<Өзи болған қыз төркинин танымас>>,---деп айырым келте пәсли қызлардың турмысқа шыққаннан  кейин төркини менен дурыслы қатнасықта болмаўына, ямаса бардамлылыққа, баршылыққа көкиреги өсип, өз аўылының адамларына менсинбеўшилик көрсетиўи, танымаслық етиўине қарата айтылған.

         Бир аўылдан, бир елден узатылған  қызлар "төркинлес" деп аталады.

       <<ТӨРКИН>>~сөзиниң аўыспалы мәниде қолланылыўы~түп негизи, түпки мәниси, түбири--деген мәнилерге ийе. Истиң төркини, сөздиң төркини ҳәм т.б.
         Мыс: Әбдирейим сөздиң төркинине түсинбеди. [Қ.Досанов]. Бул сөзлердиң төркининде ҳақыйқатлық бар еди. [К. Каримов].

ТӨРКИНЛЕТИЎ, ТӨРКИНЛЕЎ~ (дәстүр).  Турмысқа шыққан қыздың туўысқанларына, ели-журтына қыдырып барыўына айтылады. Қыз турмысқа шыққаннан кейин, бирден өзлигинен ата үйине келе алмайды. Оны ата-енеси өзлери апарып, жол ашып береди.  Ата--енеси таза түскен келиншекти төркинлетип қайтыўы ушын арнайы таярлық көреди.  Қуда-қудағайына, сол үйдеги басқа адамларға сарпай, базарлық алып ғамланады, қасына ағайын туўысқанлардан бирге ерип баратуғын адамларды хабарландырады. Олар да өз гезегинде базарлықларын түйип, дәстүрханларын сазлайды. Келинниң ата-анасына "пәлен ўақытта қызыңызды апарып қайтыўды нийетлеп отырмыз",--деп хабарландырады. Қыздың үйи де қуда тәрептен келетуғын адамларды күтиўге таярлық көреди.  Төркинлеп келген қызды, қасындағы адамларды  қоңсы-қобалар, аўылы ҳүрмет пенен күтип алып, тийисли сый-сыяпатын көрсетеди. Аўыл адамлары, қоңсы-қоба, ағайинлер "қызымыз келди",--деп иззет, ҳүрмет көрсетип үйлерине шақырып күтеди.
         Буннан кейин қызға төркинлеп келип турыўға жол ашылып, ендиги жағында қәлеген ўақытта өзи келип-кетип турыўына болады.

Бундай сән-салтанат пенен төркинлетиў келин биринши перзентин жас босанғаннан кейин де болыўы мүмкин. Бирақ, биринши рет төркинлеткендей көп адам жыйнамай-ақ енеси ямаса абысынларының бири  өзи алып келиўине де болады. Кейинги перзентлерин туўғанда арнайы "төркинлетиў" болмайды, бурынғыша барып-келип жүре бериўине болады.

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

20 Oct, 12:47


<<Төркин, төркинлеў>>

t.me/shahzoda_allamuratova

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

19 Oct, 11:28


Бундай мысалларды сол дәўирлердеги ҳәр бир қарақалпақ аўылларынан көплеп мысал етип келтире бериўге болады.
         Усындай мүриўбет, адамгершиликке негизленген қайыр-сақаўатлылық, ғамхорлық, ең баслысы адамға деген мийрим -шәпаат себепли халқымыз неше ашаршылықларда, әсиресе, бизиң дәўиримизге жақын XX әсирдеги 1916-жылғы, 1920-1922-жылғы Россия, Украинадағы, 1928-1933-жыллардағы Қазақстандағы ашаршылық дәўириндегидей адам саны жағынан  шығынға ушырамады.
         Ҳәзирги күнлеримизде де  бундай қайыр-сақаўатлылық ислериниң  ҳәр күни дерлик мысалларын көрип отырмыз.

Shahzoda Allamuratova.

t.me/shahzoda_allamuratova

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

19 Oct, 11:28


ШҮЛЕН ТАРҚАТЫЎ.

ШҮЛЕН ТАРҚАТЫЎ~дәстүр. Бардамлы бай адамлар, улама ҳәм тағы басқа өзине тоқ шаңарақлар аш кәмбағалларға үлкен шүлен қазанда гөже, жарма писирип тарқатқан. Мине сол себептен "шүлен тарқатыў" деп аталған. Шүлен тарқатыў сақыйлық ҳәм жомартлық белгиси болып байлар тәрепинен аш, кәмбағалларға берилетуғын жәрдем ҳәм ғамхорлықтың түри болып, адамлардың бир-бирине мийримлилиги, адамгершилик үлгилери болып есапланады.
ШҮЛЕН ТАРҚАТЫЎ~тек аш, кәмбағалларды тойдырыў менен шекленбестен саўып ишиўи ушын саўын мал, ақша, буйымларды да берип отырған. Бундай сақыйлықты пайда көриў ушын емес, көпшиликтиң алғысын алып, саўап ушын ислеген. Бул дәстүр ҳеш қандай садақа, ўәжиб ямаса  закат та  емес, ал, жоқ-жуқа адамлар ушын бийпул, бийминнет көрсетилетуғын хызмет.

ШҮЛЕН~атлық. Мерекелерде көпшиликке асылатуғын үлкен, нәҳән қазан. Мысалы: Баланы үлкен, шүлен қазанның астына таслады да, жасырып алып қалды. [К.Султанов]. [Түсиндирме сөзликтен, 433-бет, 7-том]. Шүлен--үлкен, нәҳән қазанды билдирип, халық арасында бундай үлкен қазанларды "тай қазан" деп те атайды.

          Қарақалпақ халқының тарийхында ҳәр дәўирде жаўгершилик, тәбийий апатлар, суўсызлық себепли ашлықлар болып турған. Сол ўақытларда қудирети жеткен бай адамлар, уламалар ҳәм басқа да халықтың бардамлы топарлары аш, кәмбағалларға шүлен қазанға жарма, гөжелер писирип берип, сол қыйыншылықлы ўақыттан аман есен өтиўине көп жәрдемин тийгизген. Халық аўзында усындай сақый, жомарт байлардың, уламалардың мырзалығы ҳаққында гүрриңлер  бар. Бул гүрриңлерде айтылыўынша бундай мәрт, сақый адамлар халықты тек аўқат пенен тойдырып қоймастан ақшалай, затлай ямаса саўын есабында мал бергенлери ҳаққында сөз етиледи. Ата-бабалардан усындай жағдайларға байланыслы мынадай сөзлер де ўәсият болып қалған:
          "Байлар~жарлылардың ырысқы-несийбеси, дәрўишлердиң~ қазнасы, қәлендерлердиң баспанасы, жолаўшылардың~мәнзилханасы.        "Байлардың сарқыты~жетим менен жесирлерге, ғәрип пенен қәсерлерге, алыс пенен жақынларына~ырысқы болады. Себеби, байлардың малы~закаты (төлеген салығы) менен ҳадал, кийимлери~таза, ҳүжданлары бийғубар, кеўиллери рәўшан",--делинеди.

Өзимизге жақын дәўир тарийхын парақлағанымызда бундайсақый, жомарт адамлардың бир қаншасының аты көзге тасланады, бирнешеўин мысал келтирип өтиўге болады.

ҚУЛЕН БОЛЫС [1838-1910 жж], есап-сансыз байлыққа ийе, сақыйлығы менен аты шыққан, адамгершиликли, кәмбағалларға ғамхор, болыслыққа бирнеше жыллар қатарына сайланған бул адамның ҳәўлисинде азанлы кеш шүлен қазан асыўлы болып, оннан аш-кәмбағаллар келип ишип, тамағын тойдырған. Қулен болыстың есап, сансыз байлығы, сақыйлығы ҳаққында Бердақ шайыр өзиниң "Қулен болыс" поэмасында кең түрде баян етеди:

Муўәззиниң айтар азанын,
Жайысаң молла, хожаның,
Тәрк болмас шүлен қазаның,
Күнделикли, Қулен болыс.

Жазыўшы, драматург Қыпшақбай Мәтмуратовтың <<Тербенбес>> романында сөз етилетуғын Лепес болыс та [1874-1938 ? жж] усындай қайыр-сақаўатлы, жомарт адам сыптында сүўретленеди. Ол өзиниң қол астында ислейтуғын жалшыларын барлық керек нәрселер менен тәмийинлеп отырған. Керек жеринде қарыз берип, жыл ақырында айырым жағдайы көтермейтуғын адамлардың қарызларын кешип жиберген, өзи жасап атырған аўылындағы кәмбағал хожалықларға бир шырўаннан ақша үлестирип, аш-әптада хожалықларға саўып ишиў ушын бир-бирден саўын сыйыр берип отырған. Бул кисиниң де ҳәўлисинде аш-кәмбағаллар ушын шүлен қазан азанлы-кеш қайнап турған.

Ҳәзирги Нөкис районының аймағына қараслы <<Жүзим бағ>> деген жерде жасаған ШЫНЫҚУЛ ҚАЛЕК УЛЫның да [1883~1935 жж]  атағы сақыйлығы, қайыр-сақаўатлығы менен елге таралған. Бул киси тарийхый тулғалар АСҚАР ҚАЗЫ, ХАЛМУРАТ БАЙ, АСҚАР БАЙлар менен заманлас болып, бәри бирликте  1916-жылғы ашаршылықта халыққа  Россиядан "ақ қапшықлы" ун алып келип таратып, халықты ашаршылықтан сақлап қалған. Бул атлары аталған тулғалардың ҳәр бириниң ҳәўлисинде шүлен қазанларда аўқат асылып, аш-әптада халықты ашаршылықтан аман есен алып шыққан.

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

19 Oct, 11:28


<<Шүлен тарқатыў>>

t.me/shahzoda_allamuratova

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

15 Oct, 11:45


Нөкис, "Қарақалпақстан", 2023.]
          Келтирилген мысалдан көринип турғанындай, СЫБАЛҒЫ сөзиниң мәниси СЫБАҒА сөзи  менен мәнилестей болып "үлес, пай" түсиниклерин берсе де, турмыста қолланылыў орны  басқаша.
СЫБАЛҒЫ сөзи менен  диалектлик түрде СЫРАЛҒЫ сөзи де қолланылады, екеўи де "саўға, олжа" деген түсиникти аңлатады.
СЫРАЛҒЫ~атлық. (дәстүр). Балық ҳәм басқа да аң аўларынан берилетуғын бөлек, пай, саўға. Мыс: Бирақ, "жалаңаяқлар" бай аўылдан кеўсен сораса, бай үйлер де бир асым сыралғы балық ушын жалаңаяқларға жалтаң еди. [К.Султанов]. 2.қ.кеўсен. Мыс: Бирақ, кеўсен сораў дийқанның, сыралғы сораў балықшының ата-бабасынан киятырған кәри ғой. [К.Султанов[.
           [Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, Жети томлық, 7-том, 12-бет, Нөкис, "Қарақалпақстан", 2023.

Қарап өткенимиздей СЫБАЛҒЫ,  СЫРАЛҒЫ сөзлери~олжалы, қанжығасы майланып киятырған аңшыдан, балықшыдан, қусбегилерден ушырасқанда соралатуғын дәстүрли, қәдели жолы, және ырымы. Халқымызда:  "Батырдан---саўға, аңшыдан сыралғы" деген мақал да усы дәстүрден келип шыққан.  Жомарт, сақый, мәрт аңшылар бундайда "сыралғы"  [сыбалғы)  сораған адамның сөзин жерге тасламайды, оның сөзинен атлап өтип кетиў нәмәртлик деп есапланып, келеси аңшылық сапарында "жолым болмай қалады,"--деп ырым етеди. Сол ушын да миллий үрп, әдет, дәстүрди өз миннети деп есаплап, саўға, сыралғы сораўшыны бос қайтармаған. Сораўшы да орыны менен аңшының қанжығасы олжалы болса ғана сыралғы сораған.

Shahzada Allamuratova.

t.me/shahzoda_allamuratova

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

15 Oct, 11:45


СЫБАҒА ҲӘМ СЫБАЛҒЫ, СЫРАЛҒЫ.

СЫБАҒА~дәстүр. Қарақалпақ халқының турмысында басқа салт-дәстүрлери қатарында ерте дәўирлерден бери қәлиплескен дәстүрлердиң бири. Сыбағаның келип шығыўы төмендегише:

      1.  Сыбаға--Қурбан ҳайтына, ямаса қысқы азық ғамлаў мақсетинде соғым сойылғанда ҳүрметли қонаққа, жақын ағайин-туўысқанға арнап қәдели мүшелерден берилетуғын пайы. Бундай ўақытларда аўыл адамлары, қоңсы-қобалар да бир-бирине сойылған малдан пай берип, сыбаға берген. Ағайин-туўысқанларға жақынларынан сыбаға келген ўақытта қоңсы-қобаларын, жақын жердеги ағайинлерин сыбаға жеўге шақырған. Сыбағаның ыдысын бос қайтармай, ылайықлы сыйлығын салып қайтарады.
       Сыбаға берип жиберерде сол адамның орны, қәдир қымбатына қарай тийисли мүшелерди орнына қарай таңлап берип жибереди.
         Мысалы, аўыл ақсақалы, ямаса сол әўладтың жасы үлкен адамларына, қудаларға, елдеги жолы уллы  адамларға сыбаға бергенде миннетли түрде бас, жамбас ҳәм омыртқа сыяқлы мүшелер берип жибериледи.

     2.   Қурбан ҳайтында мал сойылғанда, ямаса белгили бир себеплерге байланыслы мал сойылғанда келе алмай қалған жасы үлкен адамлардың сыбағасы берип жибериў мүмкиншилиги болмай қалғанда ҳәм ҳүрметли қонаққа, өзлериниң жақын-жуўығына арнап сақлаған мал гөшиниң қәдели мүшелери де СЫБАҒА деп аталады.  Егер  ол қонақ соңынан келсе:
~Ҳайтлықтан сыбағаңды жеп кет,--деп сыйлы мүшелерден  асып, пайын жегизип жибериўге ҳәрекет еткен. Бунда келген қонақтың орны, жолына қарай сақлап қойылған қәдели мүшелер асып бериледи. Келген қонақ өз орнына қарай қәдели мүшелерден тийисли сыбағасы берилмесе ол үйди сынап, өкпесин айтып кетиўге ҳақысы бар.
       Сыбағаны көбинесе жасы кишилер жасы үлкенлерге берип отырған.
       Сыбағаның ҳаслы мәниси тәрбиялық  сыпатқа ийе болып, жасы үлкен менен жасы кишилер арасындағы, аўыллас қоңсы--қобалар арасындағы, ағайин, туўысқанлар арасындағы бир-биреўге деген иззет, ҳүрмет, мийирманлық, адамгершиликли сыйласық, ғамхорлыққа тийкарланған.  

3. Қудайы қонақ та жол-жөнекей өзи қонатуғын үйде сыбағам бар деп келеди. Оны бийтаныс екен деп барған үйи салғырт қарамастан, барын қазанға салып, "Қырықтың бири Қыдыр" деп, мүмкиншилиги болғанынша гөштиң қәдели мүшелерин асып күткен.

СЫБАҒА~атлық. Үлес, пай.
"Адам адамнан кем болмайды, тек сыбағасы артық болады" ("Мәспатша" дәстанынан)
"Тапсыраўға тапсырдым, сыбағам да мол болды" (Т. Қайыпбергенов)
          Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, Жети томлық, 6-том. Нөкис, "Қарақалпақстан",2023,379-бет.

      4.  Ҳәзирги ўақытлары да "сыбаға" сөзи өз мәнисин жойытқан жоқ. Бул сөз тек мал сойылғанда жақынларға, кеўил жетерлерге үлесин берип жибериўде қолланылып қалмастан, басқа да жағдайларға байланыслы,  мәселен, "тойдан пайын берип жибериў", "пайын қойыў", "тийисли сыбағасын үлестириў", "үлесин қалдырыў",--сыяқлы сөзлердиң тийкарғы мәнилери де усы "сыбаға" мәнисин береди. Мыс: Тойдан сыбағасын жеди. [К.Аралбаев].
              Қудалыққа шақырылғанда, кетерде "қудағай пай"--деп сойылған малдың алдыңғы бир қолын [алдыңғы еки аяқтың биреўин саны менен қоса тутасқан жерине дейин кесип алынады] дәстүрханға арнайы орап салып жибереди. Бул аты "қудағай пай" болғғаны менен, келгеннен соң қоңсылас, аўыллас ҳаялларды шақырып, сол бир қолды асып жегизеди. Сонлықтан, бул "қудалықтан келген сыбаға" ретинде қоңсылардың пайы болып есапланады.

5. СЫБАҒА~ бул сөз тилимизде аўыспалы мәнилерде де көбирек  қолланылады. Мәселен, "дәкки бериў, сазайын  бериў сыяқлы мәнилерде қолланылып:---"тийисли жазасын алды", "меннен еситетуғынын еситип, тийисли сыбағасын алды",--деген аўыспалы мәнилерди аңлатады.

II.  СЫБАЛҒЫ~атлық. (дәстүр).  Саўға, олжа. Мысалы: Кемпир келбетине түксирейип қарап, "приёмнан сыбалғы сораўға киятырған боздың адамы шығар" деген қыялға келди. [К.Султанов].
         [Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, Жети томлық,  7-том, 379-бет.

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

15 Oct, 11:45


<<Сыбаға ҳәм сыбалғы, сыралғы ҳаққында>>

t.me/shahzoda_allamuratova

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

14 Oct, 15:23


​​ҚарақалпақСТАН – бул ҳәммемиздиң Ана Ўатанымыз!


1924-жылы Орта Азия халықларын миллий шегаралаў, ҳәрбир миллетти ғәрезсиз республика етиў ҳаққында мәжилис болып өтипти. Мәжилисте өз халқының аты тилге алынбағанлығына ары келген Досназаров орнынан ушып турып:
Қарақалпақларды умытыўға кимниң ҳақы бар?,-депти.
Қарақалпақлар теңиз бойында жасаўшы, басына қара қалпақ кийгенлиги ушын сондай ат алған Хорезмниң өзбеклери ғой,-депти сол жерде отырған биреў.
Яқ, қазақлардың қара калпақлы бир ағайини,-депти және биреў.
Яқ, қарақалпақлар ақ қалпақлы қырғыздың қара қалпақлы егизеклери,-депти және биреў. Олардан кейин жер астынан шыққандай буўық бир даўыс:
Орта Азияда қарақалпақ деген бөлек миллет бар ма өзи?,-депти жүреклерге ғулғула салып. Досназаров бул гәплерге итибар бермей, мәжилис баслығынан рухсат та сорамай, туппа-туўры минберге шығып:
Жолдаслар, қарақалпақ  миллети бар!,-депти. Шаўқым басылғаннан кейин әллеким:
Тилиңиз кимлерге  жақын?,-депти.
Қарақалпақлар қарашай, ноғай, қумық, қазақ, қырғыз, түркмен, әзербайжан, татар, башқурт тиллери менен бир теректиң ҳәртүрли шақларына уқсайды... Кейин ол Әжинияздың "Бозатаў" поэмасын оқып берипти. Оның гәплерин Калинин, өзбек Файзулла Хожаев, қазақ Сәкен Сейфуллин, түркмен Қайғысыз Атабаевлар қоллап-қуўатлап, қарақалпақлар бөлек бир халық екенин айтыпты. Ҳәмме бир аўыздан "Қарақалпақларға автономия берилсин!" деп әдеттегидей бир қолын емес, еки қолын да көтерипти. Ғаўырлы тынғаннан  кейин биреў:
Ҳәрбир миллеттиң атақлы адамлары болады. Бирақ, бизлер усы ўақытқа шекем қарақалпақлардың атақлы адамларын еситпеген екенбиз..,-депти.  Сонда Досназаров былай деп жуўап  берипти:
Қарақалпақ деген  халық барын еситпеген сиздей қулағы аўыр адам оның атақлы адамларын  қаяқтан-әм билсин?! Жақсылап еситип ал, айтаман! Өзбеклер ушын – Наўайы, түркменлер ушын – Мақтумқулы, орыслар  ушын – Пушкин, қазақлар ушын – Абай қандай қәдирли болса, Бердақ деген шайыр қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Мәмлекет баслықларынан мысал айтсақ, орыслар ушын Петр I қандай қәдирли болса, XVIII әсирде жасаған Маманбий биз қарақалпақлар ушын сондай қәдирли. Ҳәзирги дәўирге келсек, Ф.Хожаев – өзбеклердиң, С.Сейфуллин – қазақлардың ар-намысы ушын қандай гүрескен болса,  мине, мен – Аллаяр Досназаров солар қатарындаман,-деп сөзин тамамлапты. Соннан баслап Қарақалпақ сөзине "стан" қосымтасын қосып жаза баслапты. Сол бир ала сапыранлы XX әсирдиң жигирмаланшы жылларындағы тарыдай шашылып жүрген қарақалпақ халқын бириктирип, оның мәмлекетлик шегарасын белгилеп, шаңарақ тиклеп берген ел перзенти  Аллаяр Қораз улы Досназаровқа әўладлар алғысы шексиз. Мине, усы тарийхый ўақыяға да бүгин 14-октябрь саррас 100 жыл толыпты. Халқымызды бүгинги әҳмийетли сәне – ҚарақалпақСТАНымыздың 100 жасқа толыўы менен шын жүректен қутлықлаймыз!

Мақтанышым – Қарақалпақстан!!!

t.me/kketnografiya

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

13 Oct, 17:59


Сәрсенбай, бәле, ийисшил ийттей пәлектиң астынан бир табыўын тапқан екендағы, қыз қәлемесе не шара! Бирақ, алды менен тиллесип алмай, жаўшы жибергени әнтеклик бола қойған екен. Анаў күнги ҳайтлықты келин сизлердиң қайсысыңызға берип еди?

Бул жуўапты күтпеген мен:
~Ҳешқайсымызға,---дедим ҳаўлығыңқырап. Сөйтип бақанның басына қыстырылғанын, қалай алғанларымызды қысынып-тартынып айтып бердим. Дайым теке сақалын тутамлап, басын шайқады:
~Онда келиндики әнтеклик болған екен. Дәстүрди бузғаны менен, биймәлел жағын ойлаған ғой. Сонда биреўиңизге бере қойғанда, Сәрсенбай да жаўшы жиберип ҳәлекленбес еди дағы. Келин де тәсилпаз екен, көрдиң бе, бийкешиниң кеўлиндегисин билдирмеў ушын сөйткен. Қулласы-кәлам, ишиңизден биреўди қәлеген. Қәлемеген жағдайда ҳал-жағдайды айтқан болып, жыллы сөз бенен ҳайтлық бермей-ақ ысырып салыўға болар еди дағы. Пай, қыйтыр екен дағы! Усы Жаңабайдың келиншеги бар ма?
~Жоқ.
~Онда соны қәлегенди дағы. Ендиги ҳайтқа шекем Муратжанның отаўын бир тиклеп алайық. Өлмесем, келинди шақырып алып: "сен келин өйткенди қой, мен кишкене жийенди бир-еки бала қосып жиберейин. Қыздың қәлегенине ҳайтлығын бер, қуры қол қалса жийенимиз де өкпелемес, оған кимниң өкпеси бар",--деп айтып көрейин бе?
~Мейлиң,--деди дайым нарыйза кейип пенен, сен басыңды шайқасаң шайқай бер. Ҳайтқа шекем сениң пайдасын билмей, он төрт жыл оқып, сүўретши болып, баланың талабын үйренип жүрген ағаң қыз таңлап, шаңырақ тиклеп, жолыңды босатты да, бизиң саған ҳайтлық соратқанымыз қалды ма? Оған шекем еле де қызды көзи таныйтуғын биреў қағып кетпесе дей бер. Жақсы,сары қаўынның ийиси пәлектиң астынан да иштейлисин шақыра береди, не көп мурны ийис таныйтуғын, сезимталлы көп.......

Ш. Сейитов, <<Ығбал соқпақлары>>, роман, 122-127-бетлер.
Нөкис, <<Jeti ıqlım>>, 2022.

t.me/kketnografiya

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

13 Oct, 17:59


Әне, сол қыз күнинде тамаша ушын, ямаса өз қурдасларынан сүймесе де қызғанып-ақ, "бизди сизлерге қарағанда көп адам айттырып келип атыр" деп, марапатланыў ушын ақ сыланып-сыйпанып, өтирик наз етип үйренип кеткен әдет, сүйегине сиңип кетедидағы, барған жеринде де, ал, енди, бундай әдетинен қутылыўы мүшкил болып қалады. Сүйекке сиңген нәрсе тегинликте қала ма,. Түскен жериндеги қоңсы келиншеклердиң күйеўлерине, ямаса күйеўиниң жора-жолдасларына жаңағы жилўа етип үйренип қалған көз сөйтип қарай береди ғой. Соннан оның жилўа еткен адамы нық болса не жақсы, ал мына Меңлибайдай қопаллаў қыйлы болса, тисинен шығармай, " ал, енди бала, мына таза түскен келиншектиң дәкеңде қыялы бар қусайды" деп нилдей айнып сала береди.

Сөйте-сөйте, аўыл, елге от түсип, болады бир қырампыш, пышық басты тасласпа, көрпе-төсек зыңғытыспа! Әне, Мақсет, бундай нашарлар қуры жылтырағаны менен, тыйығы пәс кетеди, олар желигин басаман дегенше жары жасың кемийди. Усы айтқанларымды бинәй өмириңде умытып қалма. Адам өмирден де, бизлердиң заманымызда "ашықлық" дейтуғын еди, сизоер "муҳаббат" дейтуғын көринесиз, әне, усы муҳаббеттен де өз орнын табыўы керек. Мыына Назлы деген шарўаға қолай нашар еди,--деди, тап бир узатылып кетип қалып қойған адамдай өкиниш билдирип.
~Ал, енди, мына Меңлибайдағы келин өз орнына түспей қалған . Бул шарўаға қолай адам емес.

Буны сыпайы шайырсымақлаў биреў алыўы керек еди. Назлының жеңгеси де сондай нашардың қыйлы, оның да кеўли нәзик. Адам жарасық ушын ақ үйленсе болар, бундай нашарларға бурынлары "кеўлимизди мудамы шағлатып қояды, илҳам соң бизден төгилип келе береди",-деп қыссаханлар менен шайырлар, бақсылар өш келетуғын еди. Қайсы бирине қыссахан, бақсы, шайыр тийисе береди. Қудайтала өзи қәдирли затын аз жаратады, алтын қәдирли болғанлықтан аз, аз болғанлықтан қәдирли. Сонлықтан, жаңағы Назлының жеңгесиндей пәкизе нашарлардың бәрине шайыр тәбиятлылар табыла бермейди, табыла бергенде-ғо жүзикке қас қондырғандай болар еди. Ҳәр кимниң ығбалына өзине тән нашардың сызылғаны жақсы, шайырға тән нашар шарўаға тийгени менен, шарўаға тән нашарды шайыр я бақсы алғаны менен бахытлы бола алмайды. Еки тәрептиң де ығбалының соқпақлары бир соқпаққа бириккенде ғана жуптылар жубын жазбайтуғын ерли-зайып, бир-бирине жарасық бола алады. Болмаса еки соқпақ екеўин еки жаққа жетелеп кетедиде, көрпе бир болғаны менен кеўил қосылмайды, басқа болады, балам. Бул да бир кәсип таңлағандай, ал кәсип таңлаў аўызының сарысы кетпеген өзиңе усаған палапанларға қостар таңлаўдан аңсат емес.

Мен өзимниң туўды-питти шопан екенимди билмей, жасымда көп дағдардым. Малақайшының кәсибин жеңиллеў көрип урынып едим, астары түрилип кете берди, мәси тигип қарасам, гүлшини дурыс түспеди. Ғобыз шертип көрип едим, өзим келистире алмай жүргенде, үйден әкем қуўып жиберди. Қыссаханлық етейин десем саўат жетиспеди, болмаса даўыс та, питегене намаға түсингендей ықлас та жоқ емес қусаған еди, қус салып та көрдим, бул да жигитке бир жарасық, жарасық болғанда қандай, оған бир қызықсаң ылақ шапқанды-әм қоясаң. Еле бир үйретип жиберермен, оннан соң өзиң де билесең. Мына гөш планды ыйықтан бир түсирип алайық. Сөйтип қус салдым, қусшы болдым дедим-ә? Ал енди бул талаптан гөре бийдәўлетшиликке көбирек уқсаңқырайды. Қусың алса ала қояды, өт қақпайтуғын да күнлер болады, бирақ сеники күнде салпылды. Биз не қылдық, айланып келип мал бақтық. Әне, талап соннан баслап оралыўға қарады. Биз жүре берген екенбиз ҳәр жаққа бир урынып, ығбалымызға усы жазылған екен дағы! Ҳаў, ертерек есимизди жыйып биле қойғанда болмайтуғын ба еди, бәри аңсат ис қызық та болмайды екен, қарасам!

Усы гәп неден шығып еди?!
~Назлыдан....
~Назлы қызымыздан шықты, ҳаўўа, Назлы ғой бизге қолай еди дағы, Муратжанға жағар-жақпасы еки талай ис. Ол жуқа тәбиятлылаў жигит қой, оның өзиниң кәсибине жуғысын тийгизетуғын нашар керек пе деп пәмледим де, мына кемпирге ырық берген бола қойдым. Болмаса ғой нашардың нашарлығынан кемиси жоқ. Пәкизе ашың менен айланып, тоғың менен толғанатуғын нашардың сейдини, көрерсең еле, усы қарағандағы нашарлардың шырайлысы да сол болып шығады.

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

13 Oct, 17:59


Шаўдырбай СЕЙИТОВ:

<<ЫҒБАЛ СОҚПАҚЛАРЫ>>
[Романнан үзинди]

~Назлыны айттырып Сәрсенбай жаўшы жиберген екен, қара ғарғадай қап-қара болып, ол жаманның да адам жақтырмайтуғынын қәйтерсең! Үйине келген ғаррылардың геўишлерин дүзиўлеп қойыпты да, бармағы менен есикти нусқап жиберипти.

~Өйп-пей, қыз бала да оншелли өжет, оншелли жулпыс болады екен!--деп жеңгем бетин сызып. Бул киси бизиң анамыздан бес жас үлкен. Сонда да "жеңге" деймен. "Апа" дейин десек, марҳум анамыздың руўхы еситип үйден өкпелеп кететуғындай көринетуғын еди. Оның үстине, анамыз көзи тирисинде оған мудамы "жеңге" дегенликтен, бизлердиң тилимиз де әзелден усылай гүрмелген

Бирақ, бизлер "жеңге" деген менен ол атымызды айта береди: --Муратжанға да қолайлап жүрдиң-аў сен, ғарры. Я есикке жараспаса, я қызларға тән сызылыў, ийбениў болмаса, қашан көрсең атқа минип зиңкилдеп жүргени.....деп киятыр еди:
~Қойсаң-ә,---деди дайым шорта бөлип: Сен нени билетуғын едиң! Бийбипатпа туқымы Бийбипатпа туқымын сынай алмайды. Сизлердиң, со қабақ тәрезиңизди қолыңызға берип, жигитлерге жибере бериң. Сизлер олардың әңки-дүңкисин билесиз. Нашар баланы сынаўдың пири---азамат! Солай емес пе, Мақсет?
~Билмеймен--дедим мен. Ырасында да билмеймен. Елеберин биле бересең. Сәрсенбай жаўшы жиберген болса, сынап болып жиберген, ўәй, заңғар-әй, кеўли таныйды екендағы заңғардың! Назлы дегениң, сен билмейсең, кемпир, алтын дей алмаймандағы, бирақ, гүмислигине гәп жоқ, елеберин тири болсаң көрерсең. Ысылған сайын жарқырай беретуғын нашар. Қыз баланың өзи еки түрли болады. Биринши түри, --әдетине гөре шунатай бармақты бүкти:--төркининде таўыстай таранып отырғанда ынтықтырмайтуғын жигити жоқ. Сен де бизди сөйтип бапладың. Ал, енди сол қыйлы есикке түсип, бир-еки жөргек жайды бар ғо, өзиңдей шүйке бас болады.
~Әне, әне, бул енди бизге жабысып киятыр....
~Жақ, қойып тур, сен бир гәпти тыңлап ал. Сен ашыўланба, қошшым. Сеннен басқа келтиретуғын мысалым жоқ, басқаның кеўлине тийип аламан. Екинши қыйлын есит, енди, екинши қыйлы,---тағы бир бармақ бүгилди,--төркининде мандымайды, обалақта-собалақ жүре береди. Бундай қыйлының жолы да дүзиў болады,--дей бергенде:
~Қой, гәпиң қурысын,--деп шығып кетти жеңгем.

Дайымның бир әдети, айтып отырған адамы гәпин жақтырмай жары ортада шығып кетсе, қалған адамға айта береди. Ол да шығып баратырса шалғайынан басып: ~"Сен мына гәпти тыңлап кет, ҳаў, не қылған бийәдепсең!",--деп кейип таслайды да, сөзин тыңлатпай жибермейди. Соны билгеннен соң, мен де тым-тырыс отырман. Дайым енди бизди дыққатлап атыр:---Ырас айтаман, Мақсет, жолы дүзиў болады, билип қой, соны. Сениң де илгери талабың, жақсы нийетиң бар. Буны бәринен бетер сениң тыңлаўың керек, жаңағы кемпирге де: "қызым саған айтаман, келиним сен тыңла",--дегендей етип айтып отырман. Жақсы ат пенен жақсы ҳаял--жигиттиң бахыты. Жаманына тап болсаң, топпыңды саттырып, төркинине тартады. Бундай қыйлыларының аўызында оңысық емес, "үйим, кийим, кийим" деген гәп болады. Төркининде тотыдай сыланып үйренип қалған бәле, соны ҳәўес ете береди. Қыз күнинде ғрй, енди бул әдеп жигитлердиң ҳәўесин келтириў, өзине қарыйдарларды тайдай таластырып, тамашасына қараў ушын жасанады, кәрбазланады, мына артистлердей жалған жилўа, мәккарлыққа үйренеди. Кеўили соқсын, соқпасын, қоңсысының қызынан қызғанып-ақ, көринген жигитти бир қылдан байлап қойыў ушын, жортаға жилўа таслап жибереди. Дүньяда жаңа жигит болған адамнан алаңғасар адам болмайды, қыздың жаңағы мәккарлығын "сүйеди"ге жорып, үйиниң тусынан қысқа күнге гесирткедей қырық жуўырып жүргени. Ал, жаңағы мәккар қыз болса, есигинен таўланып шығып, жортаға тағы бир жилўа таслап, қайтып үйинен шықпай, шийден сығалап масқаралап күлип, отыра қояды. Анаў бийшара болса, бурынғыдан да беиер күйип-жанып, өлермен ашық болып....Қудай басыңды аўыртып не қылайын, жеме-жемеге келгенде бул тиймейтуғын болып шығадыдағы, жигит басын тасқа урыўға шекем барады ғо! Қоя бер, сен бул қатын дегенниң мәккаршылығын! "Бир қатынның мәккарлығы қырық ешекке жүк болады" деп ата-бабалар бийкар айтпаған, Мақсетжан.

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

13 Oct, 17:59


<<Ығбал соқпақлары>> [романнан үзинди]

t.me/kketnografiya

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

28 Sep, 06:32


#Қарақалпақ_ырғақлары

🔥Қарақалпақ миллий аяқ-ойыны: ШАШБАЎЛЫ ҚЫЗ🍀

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
канал:🌳Қарақалпақ Байтереклери

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

14 Sep, 12:19


<<ЕР ЖИГИТКЕ ҚЫРЫҚ ӨНЕР ДЕ АЗ>> ямаса КЕЛИНЛЕР ДЕ БИЛИП ЖҮРИЎИ ТИЙИС>> 3-бөлим.

ТАБАҚЛАРДЫ ТАРТЫЎ МӘДЕНИЯТЫ.

Атадан тәрбия, анадан үлги алған адам дәстүрлерге немқурайдылық пенен билимсизлик танытпайды. Табақ тартыўдың да өзине сай мәденияты, талаплары бар. Егерде табақ тартылатуғын ўақытта усы талапларға сай мәдениятлылық көрсете билмесек, қонаққа сыйлы табақ тартқан ҳүрметимиздиң сыйқы қалмайды.
Буның ушын ата-бабамыздың устанған дәстүри менен мәдениятына қатты итибар берип, соны рети менен орынлаған дурыс.

1. Басты ер-азамат, ямаса  сол үйдиң бас ийеси алып келгени дурыс. Яғный, бул "үй ийесиз емес"--деген уғым аңлатады.

2.  Басты тумсығын алдына қаратып алып келиўи тийис, өйткени, қой тумсығы менен алға қарай жайылады, бул қонаққа "исиң алға қарай илгерилесин"--деген жақсы нийет, тилекти де билдиреди.
3. Шекесин қасқалаў, бастың маңлай тусы шабылған болыўы тийис, бул "төрт қубыласы тең болсын",---деген мағына береди.
4. Басты услаған адам бастың оң қулағын кесип алып, сол үйдиң ең жасы кишисине усынады. Себеби, оң қулақ балалардың несийбеси болып есапланады. Бастың маңлай тусынан кесип алып, сол үйдиң ержетип киятырған баласына усынады, бул "келешекте елдиң басы болсын",--деген жақсы нийетти билдиреди.
5. Бастың тиси қағып алынған, тили толық тазаланған болыўы керек, тиси менен келген бас жағымсыз көринис берип, ол келген қонаққа деген ҳүрметсизликти билдиреди. Ерте ўақытларда келген қонаққа бурыннан айталмай жүрген өкпеси бар болса, тиси қағылмаған бас тартатуғын болған. Буны келген қонақ та түсинип, тамақ желинип болынғаннан соң, үй ийесинен қандай өкпеси барын сорап, кеширим сорап, татыўласып қайтатуғын болған.

Адам қәтеликтен емес, билимсизликтен сүринип гәп-сөз болыўы мүмкин, сонлықтан жас ер-азаматлар, келинлер халқымыздың ҳәр бир салт, дәстүриниң астарында жатырған философияны итибарлылық пенен уғынып, қонақ күткенде, қазан-ошақ басындағы қағыйдаларды есте сақлап, соны устанғаны дурыс.

Түйе таўық ҳәм шайтан таўық сойылғанда табаққа  салынып  тартылатуғын мүшелерди де билип жүрген пайдалы. Себеби, қоңсылас халықларда "түйе таўық--қарақалпақтың қойы, оған жететуғын ас болмас",--деген мақтаў сөзлер бар. Бунда Бас табақ, тет табақ дегенлер болады.

Shahzoda Allamuratova.


t.me/shahzoda_allamuratova

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

14 Sep, 12:19


Қарақалпақстан телевидениесиниң "Мийрас" телекөрсетиўинде <<Табақ тартыў мәденияты>> деген темадағы мақалам бойынша таярланған көрсетиў.

t.me/shahzoda_allamuratova

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

03 Sep, 19:48


Халық арасында "жеңгетай",---деген сөз де ушырасады. Бирақ, бул сөздиң мәнисин "жеңге" сөзи менен теңдей деп қараўға болмайды. Бул сөз жағымсыз мәниге ийе болып, қандай да бир керексиз ислерге мурындық болып жүриўшилерге  қарата айтылады. Бундайларға:--"Ағам алғанша, жеңгем жегенше",  ""Қыз жеңге ушын, "Жеңге теңге ушын" --деген сөзлер айтылған.

Жеңге өзинен жасы киши қәйинлериниң, бийкешлериниң  қайғырса--ғамхоршысы, ақылгөйи, жан ашыры, қуўанса--бирге қуўанатуғын сырласы, сыйласы бола алатуғын ҳәм сол арқалы қәйин журтында ҳүрметке ийе бола билетуғын адам.

Shahzoda Allamuratova

t.me/shahzoda_allamuratova

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

03 Sep, 19:48


ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ:
<<ЖЕҢГЕ, КИШЕ>>~ҲАҚҚЫНДА>>

Халқымызда туўысқанлық, ағайиншилик қарым-қатнаслардың көплеген атамалары ҳәм соған ылайық  орны, жолы,  дәстүрлери бар. Сол ушында, бундай атамаларды билгенниң зыяны жоқ.

Усындай атамалардың бири ~ЖЕҢГЕ болып табылады. Жеңге~бирге туўылған туўысқанлардың жасы үлкениниң ҳаялы, сол ер адамнан киши ини-қарындасларына "жеңге" болады. Өзлеринен жасы үлкенлер ушын "келин", өзинен кейинги жасы кишилерге жеңге деп аталатуғын бул адамның үй-ишинде, турмыста, аўыл-ел арасында тәлим-тәрбиядағы орны айрықша.  Халқымыздың дәстүринде  сол өзи түсип отырған  үйдиң қатнасатуғын туўысқанларына,  аўылдың жасы кишилерине жақын, руўлас болмаса да жеңге болып есапланады.  Егер ол аўылда өзине руўлас адам болса, ол туўысқан болып, руўы басқа аўыл жасы кишилери  "жеңге"---деп атаўға ҳақылы.

Бизиң халқымызда жеңгени <<КИШЕ>>~ деп атаў басым  көпшиликти қурайды. Бир үйдеги туўысқан қәйин ини-сиңлилери, аталас, аўыллас қәйин ини-сиңлилер де "кише" атамасын көп қолланады. <<Жеңге>>---улыўма атама болып, гейпаралар аўыллас жасы үлкен кемпирлерге "жеңге" деп мүнәсибет билдиреди. Халықта:
~<<Жеңге деген жүрекке жағымлы,  кише деген кеўилге қонымлы>>---деген сөз бар, буның мәниси бойынша екеўи де бир мағынадағы сөзди аңлататуғынын түсиниўге болады.
        Гейде жеңгениң өзинен кейинги қәйин ини ҳәм сиңлилеринен жасы киши болыўы мүмкин, бирақ, жас айырмашылығы оның жеңге, кише деп аталыўына бөгет бола алмайды, орны, жолы менен өз атамасында аталып, өз орны, жолын тутады.

Жеңгениң шаңырақта өз орны бар,  ол қәйин ини-сиңлилерин  сыйлап, оларды өз атлары менен атамай, ҳәр бирине ат таңлап қояды: Айқыз, Айжигит, Бөкежан, Тентек, Аппақ,--дегендей атлар қояды. Жасы үлкенлерин --Ата, Ене, Қайнаға, Үлкен қайнаға, Ортаншы қайнаға, кишкене қайнаға, Әжапа, Қәйинбийке,---деп ҳүрмет көрсетеди. Сондай-ақ, аўыллас қайнағаларының, абысынларының, қәйин ини-сиңлилериниң   руўлас болмаса да  атын айтпай, басқаша ат қойып ҳүрметлейди.

Қарақалпақ халқында әкесин "әжаға", анасын "кише",---деп атаў ҳәзирги күнлери де бар. Буның себеби, туўылған туңғыш перзент үйдеги жасы үлкен "кемпир-ғаррының баласы"--деп есапланып, ол бала әке-шешесин усылай атаўға үйретиледи, кейинги туўылған балалар да соңынан усылай атап кетеди. Ата-енеси болмаған жағдайда да, олардың руўҳын ҳүрметлеў сыпатында, туңғышты  "кемпир-ғаррының баласы",---деп, оның атын анасы айтпай "бөкежан", "Еркетай",--деп ат қояды. Мине,  усы себепли, әкесин "әжаға", "аға", анасын "кише"--деп атаў келип шыққан.

Жеңге, кише болған адамның өзи келин болып түскен үйинде, аўылында, ағайинлер арасында өз орны, ҳүрмети бар. Ол қәйин журтының жасы үлкен, жасы кишилеринен төмен отырады, өзинен кейин түскен келинлеринен жоқары отырады. Оларға хызмет еткен ўақытларда да усы сыйласық, ҳүрмет пенен ислейди.

Жеңге, кишелердиң өзинен жасы киши қәйин ини-сиңлилери менен өзлерине жарасықлы ҳәзил-дәлкеклери болады. Жеңгелер қәйинлери, бийкешлери менен сыpлас болады. Сонлықтан бурынлары қыз бенен жигитти таныстырыўшы да, табыстырыўшы да жеңгелер   болған. Сонлықтан да, "Қыздың сырын жеңгеси биледи", "Қызы бар үйдиң жеңгеси сүйкимли", "Жолы болар жигиттиң жеңгеси шығар алдынан",---деген нақыл сөзлер келип шыққан.

Жеңге болыў бурынлары  үлкен жуўапкершиликти талап еткен. Себеби, жаслардың бас қоспа отырыслары, гештеклер той-мерекелерде қызларды жеңгелери алып барып, алып қайтқан, ата-аналары да қызларын тек жеңгелери менен жиберген, бул жеңгеге үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Жеңге сөзге шебер, жуўабый болыўы да үлкен әҳмийетке ийе.  Себеби, сөзге орашолақ, жуўапқа жуўап қайтара алмаса мерекеден орын да ала алмайды.

Мәселен:

"....Отырыспаға қызларды ертип барған қыз жеңгесиниң еки қызына орын жетиспей қалады. Жигитлер  де қағысып орын босата қоймапты. Сонда жеңгеси мурны үлкен жигитлердиң мурнын сылтаў етип жуўап айтып, қызларына орын алып береди:

~Мурынлардан мурын көрдим,
Ҳәмме мурынлардан бурын көрдим,
Қырық тисли зәңги қойып,
Шықсам мурынның үстине,
Көринеди ҳәм Бухара, ҳәм Рум,
Егер ол мурын қағысағойса,
Оның қасынан ҳәм еки қызға орын".

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты

03 Sep, 19:48


<<Жеңге, кише ҳаққында мақалам бойынша Қарақалпақстан телевидениеси таярлаған көрсетиў>>


#Миллий_мийрас

❤️Қарақалпақ халқының миллий салт-дәстүрлери: Жеңге, кише ҳаққында

<Қарақалпақстан ТВ> телеканалы, "Мийрас" көрсетиўи

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky


t.me/shakhzoda_allamuratova