Не ушын

@ne_ushin


"Не ушын" сораўына
жаўап бериўши канал
💡Канал жөнелиси | Илим
📭Реклама | @ne_ushin_reklama

Не ушын

22 Oct, 08:29


Не ушын фанта ишимлиги бундай аталады?

Екинши жәҳән урысы ўақтында Coca-Cola ның Германиядағы бөлимин баскарған Макс Кайт жаңа ишимлик жаратыўға қарар қылады. Макс Кайт жумысшыларына немисше ''fantasie" яғный фантазияңызды ислетиң дейди. Jo Nip деген жумысшы тезде "Fanta" деп айтады ҳәм ишимликке сол ат бериледи.

Каналмыз | @ne_ushin

Не ушын

21 Oct, 04:35


Не ушын Куала-Лумпур Малазияның жүреги есапланады?

— Куала-Лумпур нефт қазып алыў арқалы Малазияға үлкен байлық алып келген. Куала-Лумпур оғада қызықлы ҳəм заманагөй архитектураға ийе қала.

— Петронас минараларының даңқ ҳəм атағы Малазия шегараларынан да асып үлгерген . Алты жыл даўамында бул еки имарат дүнядағы ең бəлент имаратлар ретинде тəн алынған.

П.с: Өзиңиз саяхат етиўди қəлеген мəмлекет пайтахты ҳəм мəмлекет президенти ким ?
Меники Корея;Сеул;Мун Джеин 😁.

Биз бенен бирге болың 😊!
Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

20 Oct, 07:01


Не ушын балық жүрек ушын пайдалы ?

Балық хәм балық майы тромблар пайда болыуына қарсылық көрсетеди, оларда сақланыушы омега-3 май кислоталары жоқары дәрежедеги антиоксидант қәсийетке ийе. Балықты пууда яки грилде писирип жеу усыныс етиледи.

П.с: Балық көз өткирлигин жақсылайды. Мазалы балықлар Мойнақта болады дейди. Мойнактан бармекен арамызда ?

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

19 Oct, 05:19


🗓 Бүгин 19-октяьбр келешекке хат жазыў күни.

Келешек ҳаққында пикирлеў жүдə әҳмийетли. Буны ҳəттеки илимпазларда тастыйықлайды. Солай етип, сиз бүгин бир сумка 🛍 толы пул 💵 😅, дүня бойлап саяхат, шаңарағыңыз👩‍❤️‍👨, балаларыңыз 👨‍👩‍👧, өз бизнесиңизди жүритип атырғаныңызды көз алдыңызға келтирип, оны қағазға түсириўиңиз керек. Хатқа түсирген режелерди əмелге асырыў мүмкиншлиги əйне бүгин "Келешекке хат" күнин өткергениңизде жəнеде артады.

П.с: Психологлардың 5 жылдан соң, 10 жылдан кейин қандай етип өзиңди көз алдыңа келтиресең - дейтуғынын енди түсиндим

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

18 Oct, 13:07


🤗 Не ушын бүгин ҳаялларымызды бахытлы қылыўымыз керек ?

— Себеби бүгин халық аралық ҳаял бахыты күни. Ҳаялларыңызды тек ғана бүгин емес, ҳардайым бахытлы қылып жүриў несип етсин.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

18 Oct, 03:26


Не ушын активлестирилген көмир ислетиледи?

🔻Аўқаттан зәҳәрлениўде пайдаланылады. Организмдеги токсинлерди тезирек зыянсизлантырыўға ҳәм шығарыўға жәрдем береди;
🔻 Метеоризмда қолланылады. Ишеклерде газ топланыўын азайтады ;
🔻 Шашлар ушын қолланылғанда шаш түбирин беккемленип, шашлар көркемлигин асырады;
🔻 Тислерди ағартады;
🔻 Аўыздағы қолайсыз ийислерди азайтады;
🔻 Бүйреклер искерлигине унамлы тәсир көрсетеди;
🔻 Организмде холестерин муғдарын азайтады.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

17 Oct, 15:46


Не ушын пал инсан саламатлығы жақсыланыўына зәрүр өним ?

Пал (мёд) - ас сиңириў системасын жақсылайды , қуўатты тиклейди , иммунитетти асырады .

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

17 Oct, 06:02


🍅 Не ушын помидор шербетин ишиў ушын керек ?

Иммунитетти асырады ҳәм кем қанлылықтың алдын алады
Қандағы қант муғдарын нормалластырады
Организмнен токсин ҳәм артықша суйықлықты шығарып жибереди
Ассиңириў процесин тезлестиреди
Қан басымын нормалластырады
Стресстен қорғайды
Азыўды тәмийинлейди
Искерлик қәбилетин асырады

Каналымыз | @Ne_ushin

Не ушын

16 Oct, 06:10


🗓 Не ушын 16-октябрь нан күни ?

Пүткил дүния нан күни - ҳəр жылы 16-октябрде байрамланатуғын халық аралық байрам есапланади.

Пүткил дүния нан күни 16-октябрде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық -аўқат ҳəм аўыл хожалығы шөлкеми (FAO) дүзилгенлигиниң бир жыллығы мүнасəбети менен байрамланып басланған ҳəм ҳəзирге шекем ҳəр жылы байрамланып келмекте.. FAO ашлықты жеңиў ушын 1945-жылда дүзилген.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

15 Oct, 05:15


Ақыл ҳаққында не деў мүмкин?

Ақыл (интеллект) әкеден улға өтпейди. Әке жоқары ақыл ийеси болса да, бул қәсийетти баласы оннан 100 процент мийрас етип алалмайды .

Ақмақлық та әкеден улға өтпейди. Егер әке оғада еси төмен болса, оның баласы бундай болмайды (бул жерде тәбият ақылға сай жол тутқан ).

Әкениң ақылы генетикалық түрде тек қызына ҳәм тек оның ярымы ғана өтеди.

Ер адам анасынан өз гезегинде, оған өзиниң атасынан өткен ақылды мийрас етип алады.

"Гений"диң қызы әкесине уқсап саналы болады - тек тең ярымына. Егер әкениң зейини пәс болса, қызының зейини де еки есе кем болады.


Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

14 Oct, 06:45


☺️ Не ушын Қураны Кәриймнен 1 ҳәрип оқысақ, 10 саўап жазылады ?

Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Аллаҳтың Китабынан бир ҳәрип оқыса, оған бир саўап жазылады, жазылғанда да он есе етип жазылады. «Әлиф ләм мим» бир ҳәрип демеймен. Ал, «Әлиф» бир ҳәрип, «Ләм» бир ҳәрип, «Мим» бир ҳәрип – деди.
Имам Термизий рәўияты.

Егер Қураны Kәриймдеги ҳәриплердиң саны шама менен 340740 дана деп алсақ ҳәм оны 10 ға көбейтсек, нәтийже 3407400 болады.
Егер бизлер ҳәр айда Қуранды бир мәрте хатм етип барсақ, онда Аллаҳтың инаяты менен бир жылда 40888800 дана саўапқа ийе боламыз.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

13 Oct, 13:29


Не ушын дүнядағы ең пайдалы мийўелер ТОП 10 лығын билиўимиз керек

Дүняда ең пайдалы мийўени анықлаў қыйын, себеби ҳәр бириниң өзине тән пайдасы бар. Лекин ең жақсыларын рейтингин дүзиў мүмкин. Дүня илимпазлары тәрепинен ең пайдалы деп табылған мийўелер ТОП-10 лығы менен танысың :

1. Алма
2. Әнар
3. Киви
4. Хурма
5. Банан
6. Авокадо
7. Ананас
8. Әнжир
9. Жүзим
10. Апелсин

Үйде жоқарыдағы мийўелерди ҳәммеси болғаны жақсы ямаса ҳеш болмаса биреўи болыўы керек!

Каналымыз | @Ne_ushin

Не ушын

13 Oct, 02:31


Не ушын қан қойыўласады.

Қан инсан организми ушын ең зәрүрли факторлардан бири болып, барлық ишки ағзалар ҳәм тоқымаларды, клеткаларды кислород ҳәм азықлық елементлар менен тәмийинлейди. Қанның қойыўласыўы организмдеги барлық процесслерге тәсир етеди ҳәм түрли кеселликлерди келтирип шығарады. Узақ ўақыт қанның қойыў ҳалда болыўы жүректиң шаршаўына себеп болады ҳәм нәтийжеде инфаркт қәўипи және де асады.

🟠 Организмдеги суўсызланыў процесслери, асқазан -ишек системасындағы созылмалы кеселликлери, стресс, надурыс аўқатланыў, спиртли ишимликлер, зыянлы әдетлер, кемҳәрекетлилик, түрли вирус ҳәм бактериялар қан қойыўласыўына себеп болады.

🔹Сол себепли 40 жастан үлкен инсанларға жылда 2 рет улыўма қан анализи ҳәм қанның суйықланыў дәрежесин тексертириў усыныс етиледи. Егер қан қойыў екенлиги анықланса, тийкарғы кеселликти анықлап емлеў керек.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

12 Oct, 08:25


Не ушын көп адамлар стаканларды кағыстырып ишеди?

Орта әсирлерде адамлардың стаканға зәҳәр салыў қәупи күшли еди. Қағыстырып ишилгенде ишимлик бир стаканнан екинши стаканға өткен, бул зәҳәрлениўдиң алдын алған.

Сол ўақытта стакан кағыстырып ишиўден бас тартқан адам жынаятшы деп қамалған. Бул әдет ўакыт өтип оз мәнисин жойтса да, ҳәзирги күнге дейин сақланып калған.

Каналмыз | @ne_ushin

Не ушын

11 Oct, 05:15


Не ушын бүгин қызлар күни ?

🤗Себеби "Plan International" тәрепинен алдыға сүрилген пикириге көре, қыз баланы қорғаў жәмийеттеги орны ҳәм абройын көтериў, оларға ғамқорлық қылыў керек. Бул пикир жәҳән дәрежесине көтерилди ҳәм ҳәр жылы 11-октябрь күни ҳалықаралық байрам ретинде нишанланып келмекте.

— Бул күни қызларға көмеклесиў ямаса қуўантыў мақсетке муўапық болады.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

10 Oct, 14:47


Не ушын қумшекерди көп жесек семиремиз?

Қумшекер өзи организмге сорымайды.Себеби минераллар, углеводлар хам басқа да элементлерден ажыратып алынған.Соның нәтийжесинде семизликке алып келеди.

Каналмыз | @ne_ushin

Не ушын

09 Oct, 03:19


Не ушын өрт өшириў шелеклери конус формада болады?

Өрт өшириўшилерлер суўға қатнаған ўақытта дем алмаўы ушын шелеклер конус формада болады.

Конус формадағы шелектен суў атылып шығыу тезлиги жокары болады.

Каналымыз @ne_ushin

Не ушын

08 Oct, 12:27


📌 Көк шай ишиў ушын 11 себеп

1.Шай антиоксидантлық қәсийетке ийе;
2.Ол майларды кемейттиреди ҳәм узағырақ физикалық тәрептен актив болыўыңызды тәмийинлейди.
3.Өмирди узайтырады ;
4.Стрессти жеңиўге жәрдем береди;
5.Қан басымын нормаластырады.
6.Егер сиз темеки шексеңиз, өкпени тазалайды ҳәм оны темеки зәҳәринен мүмкиншилиги барынша қорғайды ;
7.Баўырды спиртли ишимликтиң зыянлы тәсиринен қорғайды ;
8.Тис жемирилип кетиўинен сақлайды ;
9.Суйеклер еластиклигин тәмийинлейди;
10.Иммунитетти беккемлейди;
11.Организмдеги суў балансын нормаластырады.

Каналымыз | @ne_ushin

Не ушын

08 Oct, 08:50


Не ушын мурын қанағанда басты арқаға шалқайтиў шәрт емес?

Бул жүдә кең тарқалған надурыс усыл. Еслеп қалың! Мурыннан қан аққанда сиз отырған жағдайда болыўыңыз, азғана алдыға ийилиўиңиз ҳәм мурын тесигин хлорҳексидин якиводород перикс пенен таза салфетка да жабыў керек.

Егер бас арқаға ийилген болса, қан асқазанға кирип, жөтел ҳәм басқада қолайсызлықлар алып келиўи мүмкин. Бирақ ең баслысы бул жағдайда наўқас қанша қан жоғалтқанын анықлаў мүмкин емес

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin

Не ушын

07 Oct, 03:52


Не ушын: Бул пышыққа ҳәйкел орнатылған

Шотландияда Towser лақаплы пышыққа ҳәйкел орнатылған. Себеби ол өмиринде отыз мыңға жақын тышқан услаған.

Каналымыз: @Ne_ushin

3,817

subscribers

1,849

photos

355

videos