ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

@ibratli_sozler


От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.

Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 14:38


Инсанның қандай күлиўине қарап тәрбиясын, не себептен күлиўине қарап ақылын билсе болады.

© Жалолиддин Румий

https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 12:40


М У Ҳ А Б Б А Т

АНА, сүйдим сени меҳириң бөлек,
Перзент ушын тәнҳа баўырың  ерек,
Тынымсыз соғады сүйикли жүрек,
Менде жанып турған сизге муҳаббат.


ЎАТАН, қушағыңда ойнадым өстим,
Гүллениўиң ушын шаршаўдан кештим,
Жырлап еринбеймен отырып ҳеш дым,
Пидайылық пенен жанар муҳаббат.


ТУЎЫСҚАН, ағып турған денемде қаным,
Қыйналсам қыйналған өзиңсең жаным,
Балалықтан бирге қарсы алған таңым,
Мәңгилик сағыныш сизге муҳаббат.


КӘСИП, әрман еткен бойымда бирге,
Мектеп әтирапы үйимдей ирге,
Турсам да ойымда қайсындай жерде,
Мәртебем жеңисим сизде муҳаббат.


ДОСТЫМ, бирге сырлас қуўаныш-қапа,
Өмирде бәри де шадлық ҳәм жапа,
Мал досқа берилип кетпеңлер аса,
Биршилик өзиң менен болар муҳаббат.


Муҳаббат болмаса өмир гөззал ма?
Муҳаббатсыз әлем сирә болған ба?
Муҳаббат ҳәр нәрседе емес жалған да,
Жаратылыс дүнья абзал муҳаббат.

УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА У.📚
04.10.2024.

https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 10:50


Өмирде ең әҳмийетлиси бахыт.

Бахыт ҳәркимде ҳәр түрли болады. Бул ишки категория.
Сиз еккен гүл гүлледи - бахыт.
Бир стол әтирапына жақынларыңыз бенен жәмлендиңиз - бахыт.
Сиз сүйген инсан бар​​ - бахыт.
Сизди жақсы көретуғынлар бар - бахыт.
Сүйикли жумысыңыз бар - бахыт.
Бахытты күтиў шәрт емес.
Оны сезиниўиң керек!

Ҳәр ким бахытты өзи жаратады!
Бахытлыман деп айтың...😊😊

https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 09:19


Сораў: Жети сулыў, олар:
- тайгалы қыз;
- тәжик қызы;
- Албания, Тираналы қыз;
- шығыс Азиялы қыз;
- эстон қызы;
- осетинли қыз;
- ҳәм жетиншиси қарақалпақ қызы.

Сораў: Шайыр Аязийдиң бир қосығында келтирилген усы жети гөззалды баўырында сақлаған "жақсы жай" дүньяның қайсы университетинде еди?

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 08:12


ҲӘЗИЛМЕ ЯКИ ҲАҚЫЙҚАТ ПИКИРЛЕЎ СИЗДЕН

Ҳаяллар "ЛОГИКА" сы:

- Күйеўи үйге кеш қайтса:
"Қайсы жананыңыздың алдынан киятырсыз? "

- Күйеўи үйге ерте қайтса: "Журтлардың күйеўи күни түни ислеп тыным билмейди, бул киси болса... үйден шықпайды"

- Күйеўи жумыс пенен жүдә бәнт болса: "Квартиранттан парқыңыз қалмады!"

- Күйеўи аз пул тапса: "Бул ақшаға шимишкиде ала алмайсаң-ғой! "

- Егер көп пул тапса: "Көзи мурнының астынан басқа жерди көрмейтуғын болыпты! "

- Күйеўи аз ислеп, көп пул тапса: "Не, қарақшыға тийгенменбе? "

- Күйеўи көп ислеп, аз пул тапса: " Адам дегенде соншелли дәрежеде ақмақ бола ма екен?"

- Күйеўи үй жумысларына жәрдемлеспесе: "Мен бул үйде шорыманба? "

- Күйеўи үй жумысларына жәрдемлессе: "Тыныш ғана еркек қусап телевизор көрип жатпайсыз ба, қатынның исине араласпай".

- Күйеўи гүл сыйлық етиўди билмесе: "Сада, оқымаған, мәдениятсыз! "

- Егер гүл сыйласа: "Соның ақшасына бир кило гөш алсаңыз, бир ҳәпте жер едик".

- Егер жақсы сөзлер менен еркелетпесе: "Ҳәммеси тойға шекем деп бийкарға айтпаған екен... "

- Егер шийрин сөзлер менен еркелетсе: "Тынышлықпа, бундай сөзлерди кимнен үйрендиңиз?"

Ҳаял, деген сондай түсинип болмайтуғын бир кәрамат...

👉👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 05:54


https://www.instagram.com/ibratli_sozler_/profilecard/?igsh=eWNzd25rbGhlZ2Rm

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 05:06


ШАШ ЖАЙЫЎ МОДА МА?

     Мен Нөкиске   қызымның үйине ақлығымның туўылған күнине барып едим. Ақлықларымның өтиниши бойынша қонып қайттым.
Қайтарсын Шымбайға  жүретуғын газел  тур екен. Дәрриў минип алдым. Минсем,   алдыңғы қатардағы
артқы орынға  қарсы қарап отыратуғын үш орынлық қалған екен. Биреўине отырып алдым.
     Ҳәмме адамларға қарсы қарап отыратуғын болған соң, көзимдеги қуяшқа тағатуғын очкийимди шешкеним жоқ. Артта бир орын мениң қасымда еки орын қалған екен. Арттағы қарсы алдымда отырған орынлықлардағы адамларға бир нәзер салдым.
Танысларым барма екен деп, бир шолып өттим. Арадан азмаз ўақыт өтип, бирден үш адам келеғойды.  Соның арасында газел қозғалып жүре баслады. Шымбайға бараман дегенше бир саатлық жол, қасымда сөзге тартатуғында адам жоқ екен.
Сөз - жолды қысқартады дейтуғын еди. Солай етип, арттағы адамларға нәзер салып отырсам, бир қызға көзим түсип кетти.
Орта бойлыдан келген көзинде ақ очкийи бар, нәзик шырайлы қыз екен. Шашын жайып қойған екен. Мен дәслеп шашы ийнине түсип турған шығар десем, жоқ шашы белинен асыңқырап тур. Анықлап, қайта- қайта қарай бериппен.
Көзимде очки болғаны да жақсы болды, кимге қарап отырғаным билинбейди.
Ҳаў  деп,  өзимнен - өзим ҳайран қалып, ойланып отырдым. Шашы белинен түсип турса оны әнедей етип, өрип қой. Дым болмаса буўып қой. Ҳаўа райы да бүгинлери
жыллы, түске қарай ысыңқырап кетеди. Терлемей ме екен деп, ишимнен сөйленип отырман. Қасымда оң қапталымда  бир жигит шеп қапталымда меннен бес-алты жас үлкенлеў апай отыр. Қарсы алдымда отырған ҳаялларға да айтайын деп турып, қой өсек болып кетер. Өзим биреўдиң сыртынан айтқанды қәлемеймен.
     Бул қыздың бир өзи емес, нешше  бир жас қызлар шашын жайып жүреди. Бурынлары жас үлкен апалар,  "шашыңызды жыйнап жүриң жайып жүрген жаман болады
Өмирлик жолдасынан  айрылған ҳаяллар шашын жайып отыратуғын еди," деп, айтар еди. Өзимиздиң  қызлар ҳеш шашын жаймай-ақ  өсип  еди. Енди ҳәр заманға бир заман деп айтыўға туўры келип тур.  Бирақ, мениңше, заманның сол турысы. Адамлар өзгерип баратыр. Ҳәмме емес, базыбир адамлар демекшимен.
    Үйдеги кишкене ақлық қызларымызға  шашыңызды жыйнаң, көзиңе түседи, я аўзыңа киреди. Жақсылап, буўып қойың, болмаса шашыңды алдырып таслайман десем,  дәрриў шашларын буўып, "яқ, апа, шашымызды буўып жүремиз алдырмаса," деп жыламсырайды.
      Енди мына үп- үлкен қызларға не болған?
Ямаса, шаш жайып жүриў мода ма?  Сизлер буған қалай қарайсыз?

Гүлбәҳәр Қарабаева.

https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 03:30


#Ашшы_ҳақыйқат
Ҳәзирги заманның баласы ойыншық пенен ойнамайды...

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 02:20


https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

22 Oct, 02:14


🌷🌷🌷🌷🌷🌷🌷🌷🌷🌷🌷🌷

АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ ҚӘДИРДАНЛАРЫМ !
АТҚАН ТАҢ ҚУТЛЫ МУБАРЕК БОЛСЫН КҮНИ БОЙЫ СИЗЛЕРДИҢ ШАҢАРАҒЫҢЫЗДА АМАНЛЫҚ МОЛ ЫРЫСҚЫ НЕСИЙБЕ БЕРЕКЕТ ТИЛЕЙМЕН УСЫНДАЙ КҮНЛЕРДЕ ЖҮРГЕНДЕЙ ДЕН САЎЛЫҚЛАРЫҢЫЗ БЕККЕМ БОЛҒАЙ КҮНИ БОЙЫ СИЗЛЕРДЕН ХОШ КЕЙПИЯТЛАР АРЫЛМАСЫН ЖҮЗЛЕРИҢИЗ ЖАРҚЫН ҚӘДДИҢИЗ БИЙИК ҚӘДИРИҢИЗ БӘЛЕНТ БОЛЫП ЖАЙНАП ЖАСНАП ЖҮРЕ БЕРГЕЙСИЗЛЕР!!!
БҮГИНГИ КҮНИҢИЗ МАЗМУНЛЫ ӨТСИН.

АҚЫРАП АЙЫНЫҢ 22-СӘНЕСИ

👉👉https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Oct, 17:09


#ҚАЙЫРЛЫ_ТҮН_БӘРШЕГЕ!

Күн даўамында өзиниң қымбатлы ўақытларын ажыратып, биз бенен бирге болғаныңыз ушын сизлерден миннетдармыз.
  Бүгинги түниңиз қайырлы болсын жақсы түслер көриң.

Жақсы ,жаман күниңизде,
Бир  ғана дуўа асырасын.
Бенде асырай алмайды,
Сизди Қудай асырасын!

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ЖАҚСЫЛАР!

Таңда көрисип дийдарласқанша қәдирданларым!

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Oct, 16:32


#Билесизбе
Лампочканы ойлап тапқан адам,
Томас Эдисон
қаранғыдан қорқатуғын болған ...


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Oct, 15:58


Сораў: Өмирлик тәжирийбесине бола, көпшилик адамларда (мениң өзимде де дәл солай) ҳәпте күнлери қайсы сәнеде турғанын анықлаў керек болып қалса көз алдына дәрриў ИКС келеди екен. Яғный сол нәрсени көз алдына елеслетип қайсы күн нешинши сәнеге туўры келгенин анықлайды.

Икс ол не?

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Oct, 15:52


Ҳəр бир инсанның көңилинде айрықша ҳəм гөззал бир дүнья бар...

М.Бердимуратовна

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Oct, 14:53


#Даналық_сөзлер
#Рәўият
Бир ўақытлары бир алым менен бир пуқара екеўи кетип баратырғанда алдыларынан ушырасқан бир надан адам бир сөз сорайды. Алым хошпейиллик пенен, мүләйим жуўап берсе де, надан киси езбелей береди ҳәм алымға аўыр сөзлер айтады. Сонда алымның қасындағы пуқара оған: - Бул наданның алдында өзиңизди пәске таслап, неге әззилик қыласыз? - дейди. Сонда алым: - Еситтиңизбе? Ҳәр бир ыдыс ишиндеги барын төгеди. Оның жарамас сөзлеринен әжепленип, мен де оған қатты қайырым сөз айтсам, надан менен арамызда ҳеш қандай да парық қалмайды. Бирақ, мениң хошпейиллик пенен берген жуўабымнан тәсирленип оған ақыл енетуғынына ийманым кәмил, - депти.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Oct, 14:04


Бул өмир, бул турмыс дәрьяның суўындай тез ҳәм пәт пенен өтип кетеди, бирақ, инсанның жақсы ислери, естелиги мәңги жасайды.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

21 Oct, 12:17


Жетискенликке ерисиўдиң ең зор усылы - басқаларға беретуғын мәсләҳәтлериңизге өзиңизде әмел етиўиңиз.

Гарольд Тейлор


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler

23,209

subscribers

6,167

photos

4,353

videos