Билимлендириў жаңалықлары

@bilimlendiriw_uz


Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз.

Мүрәжат: @bilimlendiriwbot
Реклама: @channeladdsbot

Билимлендириў жаңалықлары

17 Oct, 06:02


❗️Тийкарғы пән олимпиадасының районлық басқышы өткерилетуғын сәнелер өзгерди

Тийкарғы пән олимпиадасының районлық басқышы өткерилетуғын сәнелер төмендегише өзгерди:

👉 21-октябрь – тарийх, география, қазақ тили, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнлеринен;
👉 22-октябрь – инглис тили, немис тили, француз тили, мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары пәнлеринен;
👉 23-октябрь – химия, рус тили ҳәм әдебияты, тәжик тили пәнлеринен;
👉 24-октябрь – биология, физика, информатика ҳәм информациялық технологиялар пәнлеринен;
👉 25-октябрь – математика, ана тили ҳәм әдебияты, өзбек тили пәнлеринен.

Таярлаған: Хәжетова Айшолпан

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹
@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

05 Oct, 08:05


💰 Қайсы пәнлерден дәптер тексериўге пул төленеди?

📑 Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги 275-санлы қарарына тийкар, улыўма билим бериў мәкемелериниң муғаллимлерине дәптерлерди ҳәм жазба жумысларды тексергенлиги ушын ең кем айлық ис ҳақысының 50 проценти, класстағы оқыўшылар саны 15 ке шекем болған кем комплектли мектеплерде болса ең кем айлық ис ҳақысының 25 проценти муғдарында қосымша төлем төлениўи белгиленген.

🗂 Усы қосымша төлем төмендеги пәнлерден дәптерлерди ҳәм жазба жумысларды тексергенлиги ушын әмелге асырылады:

🔵 Баслаўыш классларда: әлипбе, ана тили, өзбек тили, рус тили, математика, 2-4 класларда шет тили (англичан, немис, француз тиллери ҳәм т.б.);

🔵 Жоқары классларда: ана тили, әдебият, өзбек тили, рус тили ҳәм әдебияты, шет тили (англичан, немис, француз тиллери ҳәм т.б.), математика, алгебра, геометрия.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

01 Oct, 13:42


💰 577 мың 500 сум муғдарындағы сыйлық пулын директордың өзи де алыўға ҳақылы ма?

📑 Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 2-август күнги 425-санлы қарары менен киргизилген өзгериске бола, улыўма билим бериў мәкемелериниң хызметкерлери, сондай-ақ, басшы хызметкерлери тек ғана «1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Фондтың әмелдеги қаржылары есабынан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50 процентине шекемги муғдарда сыйлықланыўы мүмкин.

☑️ Усы қағыйдаға бола, директордың өзи де 577 мың 500 сум муғдарындағы материаллық хошаметлеў пулын алыўға ҳақылы.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

01 Oct, 04:14


💐 Ҳүрметли устазлар!

Сизлерди бүгинги кәсиплик байрамыңыз бенен шын жүректен қутлықлаймыз! Машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысыңызда тасқын табыслар тилеймиз! Сизлердиң Ана Ўатанға, келешек әўладқа ислеп атырған ийгиликли хызметиңиз алдында бас ийемиз.

Ҳүрмет пенен,
@bilimlendiriw_uz каналы жәмәәти.

Билимлендириў жаңалықлары

30 Sep, 08:30


Хош хабар: енди муғаллимлер 3 ханалы үй утып алыўы мүмкин

Ҳəр жылы «Жыл оқытыўшысы» таңлаўы өткериледи ҳәм районлық басқыш жеңимпазларына үш ханалы үй саўға етиледи. Бул ҳаққында блогер Элдар Асанов өз каналында жазды.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

30 Sep, 06:54


Хабарландырыў!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен республикамыз аймағында транспорт тараўында хызмет көрсетиў сапасын жетилистириў, халқымызға транспорт хызметлерин усыныў бағдарында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелий жумыслар алып барылады.

Ҳүрметли пуқаралар!


Қарақалпақстан Республикасы аймағында транспорт хызметлерин усыныў бағдарында ушырасып атырған машқалалар жөнинде мүрәжатларыңыз ямаса, хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў бойынша пикир усынысларыңызды қалдырыў ушын усы жылдың 7-октябрь сәнесине шекем Министрлер Кеңеси жанындағы штабтың 61 222 41 62 телефон номерине азанғы саат 09:00 ден кешки 20:00 ге шекем байланысыўыңыз соралады.

Соның менен бирге Жоқарғы Кеңестиң «Халық мүрәжаты» платформасы (Жүклеп алың) арқалыда мүрәжатларыңызды қалдырыўыңызға болады.

❗️Сизиң берген пикир ҳәм усынысларыңыз арқалы тараўдағы бар болған машқалалардың шешими бойынша арнаўлы жол карта ислеп шығылады ҳәм оларды сапластырыў, халқымыздың тилек өтинишлерин әмелге асырыў илажлары көриледи.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

25 Sep, 11:45


⚡️«1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен барлық оқытыўшылар 577 мың 500 сумнан сыйлық пулын алыўға ҳақылы

📑 Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 2-август күнги 425-санлы қарары менен киргизилген өзгериске бола, улыўма билим бериў мәкемелериниң хызметкерлери, сондай-ақ, басшы хызметкерлери тек ғана «1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Фондтың әмелдеги қаржылары есабынан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50 процентине шекемги муғдарда сыйлықланыўы мүмкин.

☑️ Бунда усы сыйлық ҳәр оқыў жылы ушын берилиўи мүмкин. Уставта бир рет сыйлық алған муғаллим келеси жылы сыйлық алмаўы керек деген шеклеў жоқ. Сондай-ақ, қандай тийкарларға бола сыйлық берилетуғыны ҳаққында анық қағыйда да жоқ.

💰 Усыған муўапық, «1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен барлық муғаллимлер сыйлық алыўға ҳақылы.

❗️Бирақ бунда мектептиң сметасында қосымша қаржы болыўы тийис.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

24 Sep, 05:46


💰 Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик бақшаларға жеңиллик тийкарында қабыл етиледи

📑 Президент қарарына бола, төмендегилер әмелге асырылады:

𒊹︎︎︎ 2025-жыл 1-январьдан баслап кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллик тийкарында қабыл етиледи;

𒊹︎︎︎ 2025-2026-оқыў жылынан баслап кәмбағал шаңарақлар перзентлериниң мәмлекетлик ЖОО студентлер турақ жайларында жасаў ғәрежетлери мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи;

𒊹︎︎︎ 2025-жылдан баслап «El-yurt umidi» қоры тәрепинен кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын өз алдына квоталар ажыратылады.

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹
@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

21 Sep, 06:30


❗️ Елликқаладағы мектепте жүз берген жағдай бойынша мағлыўмат берилди

▪️ «Sevimli» телеканалының хабаршысы Мухтар Үмбетов жағдайды толық үйренди.

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹
@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

20 Sep, 17:15


⚡️ Қарақалпақстанда және бир ири таңлаўға старт берилди

Таңлаўдың шәртлери менен жоқарыдағы видеоролик арқалы танысыўыңыз мүмкин. 3 сыйлы орын ийесиниң ҳәр бири «Macbook» және 1-орын жеңимпазы «Хошамет-2024» сыйлығы менен сыйлықланады.

Таңлаўға усынылып атырған видеолар дағаза жәрияланған күннен кейин түсирилген болыўы ҳәм 30-октябрь сәнесине шекем @erjanov_hakim телеграм мәнзилине жиберилиўи керек.

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹
@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

20 Sep, 07:54


❗️ Елликқалада 1-класс оқыўшысына күш ислетилип, класстан алып шығып кетилди

Усы жылдың 5-сентябрь күни Елликқала районындағы 28-мектептиң 1-класс оқыўшысы Х.Ё.ның анасы С.Ш. сабақ процесин бузған ҳалда классқа кирип барып, оқытыўшы оны тоқтатыўға ҳәрекет етиўине қарамастан, баласына күш ислетип класстан мәжбүрий алып кеткен.

Жағдай бойынша С.Ш. ҳәм басқа шахсларға байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ҳүжжетлер топланып, судқа жиберилген.

Бүгин, 20-сентябрь күни бул ис судта көрип шығылмақта.

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹
@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

20 Sep, 06:18


👨‍🏫 Кимлер класс басшысы болыўы мүмкин?

📑 Класс басшысы төмендеги критерияларға тийкар, мектеп директоры тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи:

🟢кеминде 3 жыллық педагоглық жумыс стажына ийе болған;

🟢мектепте тийкарғы жумысшы ретинде жумыс ислеп киятырған;

🟢басқарыўшылық қәбилетине ийе болған;

🟢оқыўшылар менен ислесиў процессинде жуўапкершилик пенен жантаса алатуғын;

🟢баслаўыш класларда класс басшылығы баслаўыш классқа бириктирилген оқытыўшыларға жүклетиледи.

Мектеплерде саатлы график (сондай-ақ, еки жумысты қатар ислеўшилик) тийкарында жумыс ислейтуғын оқытыўшылардың классқа басшылық етиўине жол қойылмайды.

🥇 Бир оқытыўшыға тек ғана бир класс басшылық етиў ушын тапсырылады. Директор орынбасарлары, психологлар класс басшысы болыўы мүмкин емес.

💻 Класс басшылары жумысын руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары қадағалайды ҳәм муўапықластырады.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

20 Sep, 05:32


📩 Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың «СӨЗ ҲӘМ ПИКИР» атамасындағы эсселер, сәўбетлер, мақалалар топламы китабы сатылыўда!

📔 Китап авторы: И.Юсупов
📍 Атамасы: "Сөз ҳәм пикир"
📖 Бетлер саны: 116
🗓 Баспадан шыққан жылы: 2024

Байланыс ушын телефон номерлери:

☎️ 977899632
☎️ 913777758

Билимлендириў жаңалықлары

19 Sep, 13:51


Мектеплерде ер балалардың шашының узынлығы қанша болыўы керек?

📑 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл, 15-август күнги 666-санлы қарарына тийкар, мектеп оқыўшыларының (ер балалар) шашының узынлығы 2-3 сантиметрден узын болмаўы керек.

💇‍♂ Оқыўшылар (ер балалар) мектепке пирсинг ислеткен ҳалда ямаса татуировка түсирилген ҳалда шашларын ҳәр түрли реңлерге бояп келиўи қатаң түрде қадаған етиледи.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

19 Sep, 13:02


DTM TESTINE KIRMEY 104 BALL ALDÍNNAN❗️

50% ÚSTEME ❗️

Qaraqalpaq tili hám ádebiyatı páninen MILLIY SERTIFIKATTÍ alıw arqalı joqarıdaģı nátiyjege erisseńiz boladı📣

Noyabr-Dekabr aylarında bolıp ótetuǵın testke tayarlıq kursların BASLADÍQ❗️

Qosılıw ushın tómendegi siltemege ótiń⤵️
@sertifikat_a_plus

☎️ +998-77-121-88-80 | Instagram

Билимлендириў жаңалықлары

19 Sep, 08:37


⚡️ Сабақ кестесин дүзиўде пәнлердиң қыйынлық дәрежесин есапқа алыў усыныс етиледи

Сабақ кестесин дүзиўде пәнлердиң қыйынлық дәрежесин төмендеги тәртипте есапқа алыў усыныс етиледи:

1. Математика ҳәм информатика
2. Ана тили ҳәм әдебият, шет тиллери (рус, инглис, француз, немис тиллери)
3. Физика, химия, астрономия
4. Тарийх, ҳуқық, экономикалық билим тийкарлары
5. Тәбийғый пәнлер, география, биология
6. Тәрбия ҳәм руўхыйлық тийкарлары
7. Дене тәрбиясы
8. Технология
9. Сызыў
10. Сүўретлеў өнери
11. Музыка

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

16 Sep, 15:14


Қарақалпақстанлы жаслар ушын қосымша квоталар тастыйықланды

Бунда ажыратылған қосымша 10 мың квота кириў имтиханларында 56,7 балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ студентликке усыныс етилмеген абитуриентлер есабынан қәлиплестирилди.

Қосымша қабыллаў параметрлери шеңберинде студентликке усыныс етилген қарақалпақстанлы жаслар усыныс етилгенлик жағдайын my.uzbmb.uz сайты арқалы жеке кабинетинен билиўи мүмкин.

Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелерине таңлаў дизимлери жеткерип бериледи.

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹
@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

15 Sep, 13:30


💰 Енди ер жигитлер де процентсиз тәлим кредитин алыўы мүмкин

☑️ Жоқары оқыў орны, колледж ҳәм техникум студентлериниң өзлестириў көрсеткиши кеминде 80 процент болса, оларға кейинги оқыў жылы ушын процентсиз тәлим кредити бериледи.

📑 Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев кәмбағал шаңарақлар менен ислесиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары бойынша өткерген видеоселектор мәжилисинде мәлим етти.

☝️ Еслетип өтемиз, буннан алдын тек ғана төлемли контракт тийкарында оқып атырған ҳаял-қызлар процентсиз тәлим кредитин алыўы мүмкин еди. Енди бул жеңилликтен жақсы оқыйтығун ер жигитлер де пайдаланыўы мүмкин болады.

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹
@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

Билимлендириў жаңалықлары

14 Sep, 12:03


🤔 Төмендегилерден қайсы өсимлик 24 саат даўамында кислород шығарады?

🌽 @kolxozuz — Аўыл хожалығына байланыслы канал

Билимлендириў жаңалықлары

12 Sep, 14:16


Нөкисте мектеп директорының орынбасары алдаўшылық пенен усланды

2024-жыл 10-сентябрь күни ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Нөкис қаласындағы 38-мектеп директорының орынбасары Б.Г.ның нызамсыз жумысы анықланған. Ол пуқара Ш.Г.дан 4 млн сум алып, оны таныслары арқалы жумысқа жайластырып бериўге ўәде еткен. Пулды алдаўшылық жолы менен алып атырған ўақытта Б.Г. қолға алынған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими "в" бәнти ҳәм 28,211-статьясы 1-бөлими тийкарында жынаят иси қозғатылып, тийисли тергеў жумыслары алып барылмақда.

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹
@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар