Бүгин «Билимлендириўде санлы технологиялар» модули бойынша музыка ҳәм сүўретлеў өнери оқытыўшылары менен әмелий сабақ өттик. Лекцияда жаңалықлар, онлайн платформалар, жасалма интеллект ҳаққында сөз қозғап, әмелий сабағымызда оларды ислеп көретуғынлығымызды айтканық едик.
Тилекке қарсы, компьютер ханасындағы интернетте насазлықлар бақланғаннан кейин, устазлар платформаларды телефон арқалы үйренип, өз оқыўшылары ушын тренажёр шынығыўлар жарата алды. Олардың дөретиўшилиги ҳәм жаңалыққа қызығыўшылығы мени таң қалдырып, илҳамландырады.
Компьютер болмағанда да, өз қәсибине пидайы устазларымыздың телефон арқалы үйрениўи – үлкен жетискенлик!
Бундай дөретиўши ҳәм жаңашыл устазлар менен ислесиў – үлкен мәртебе. «Билимлендириўде санлы технологиялар» модулының ҳәр бир сабағы пайдалы болғанынан қуўанышлыман!