HUMAYRO @humayrouz Channel on Telegram

HUMAYRO

@humayrouz


«HUMAYRO» – Qaraqalpaqstan musılmanları qazıyatınıń rásmiy saytı «paziylet.uz»dıń shańaraq máseleleri, perzent tárbiyası hám hayal-qızlar rubrikasın jarıtıwshı telegram kanalı
Botımız @humayrouz_bot xizmetinen paydalanıń

HUMAYRO (English)

Welcome to HUMAYRO, a unique Telegram channel created to inspire and empower individuals to live their best lives. Founded by the talented and passionate team behind @humayrouz, this channel is dedicated to sharing motivational quotes, success stories, and personal development tips. Whether you're looking for daily doses of positivity, career advice, or relationship tips, HUMAYRO has got you covered. Join our community of like-minded individuals who are committed to personal growth and success. Stay tuned for regular updates and exclusive content that will help you become the best version of yourself. Don't miss out on the opportunity to transform your life and join HUMAYRO today!

HUMAYRO

28 Nov, 10:47


#үлги #әлбетте_оқың

Сондай-ақ, Шамсуддин Бахауддинов ислам билим журты искерлигинде де өзиниң гиреўли орнын қалдырды. Халық тилинде медресе деп аталатуғын бул оқыў орны имаратын ири оңлаўдан өткерип, қолайлы ҳәм шырайлы оқыў имаратына айландырды. Тынып-тыншымаған жанкүйер пидайы инсан буның менен шекленбеди ҳәм сол имарат жанына талабалар жатақханасын, асхана, үлкен таҳәратхана, сондай-ақ заман талапларына сай спорт залы ҳәмде жазғы ашық футбол газонлы майданын қурып питкерди. Медресе әтирапындағы абадаланластырыўларды, талабалар ушын таярланған әжайып дем алыў орынларын айтпасақ та болады.

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

HUMAYRO

28 Nov, 10:47


#үлги #әлбетте_оқың

Шамсуддин Баҳауддинов тайынланған лаўазымларында оннан күтилген ислерден де артықша нәтийжелерге ериседи. Ол қазылық лаўазымына тайынланған ўақытта Қарақалпақстан аймағында мешитлер жүдә аянышлы жағдайда еди. Ҳәтте Нөкис қаласындағы бас мешит те толық питкерилмеген еди. Ал, районлардағы мешитлер болса, ишине адам кириўге қорқарлықтай дәрежеде гөнерген, қулап түсиў жағдайына келген еди. Көпшилик мешитлер искерлиги тамамланып, жабылыў алдында тур еди.
Бирақ, Шамсуддин Баҳауддиновтың хызметлери менен бул мешитлер жабылмады, керисинше олар толық оңлаўдан өткерилди, көпшилиги бузып жаңадан қурылды. Улыўма айтқанда Республикадағы бәрше мешитлерге итибар қаратылды ҳәм жәҳән талапларына сай көриниске алып келинди. Буннан тысқары Шамсуддин Баҳауддиновтың белсендилиги менен бир неше мешит жаңадан ашылды.

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

HUMAYRO

28 Nov, 09:20


#үлги

Инсан дүньяға келер екен, әлбетте өзине берилген өмирди мазмунлы, унамлы ҳәм ийги ислерге бай көринисте өткериўи тийис болады. Инсан тек жалғыз өзине емес, ал имканы барынша жақынлары, ели-халқы, әтирапындағы бәрше-бәрше ушын жақсылықлар ҳәм пайдалы ислерде даўамлы болыўы тийис.
Устаз Шамсуддин Баҳауддинов мине усындай пидайы инсанлардан бири болып табылады.
Шамсуддин Баҳауддинов 1998-жылда "Имам Бухарий" атындағы Ташкент ислам институтын жоқары баҳаларға жуўмақлап, сол жылы Нөкис қаласында жайласқан "ал-Беруний" атындағы ислам билимлендириў мәкемесине оқытыўшы болып жумысқа киреди. Билим журтындағы табыслы мийнетлери ушын 2011-жылда усы билим журтына директор болып тайынланады.
Жумыс баслаўының дәслепки күнлеринен-ақ, өзиниң пидайылығы ҳәм жанкүйерлиги менен ажыралып турғанлығынан, 2012-жылда директорлық лаўазымы сақлап қалынған ҳалда, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы лаўазымына да сайланады.

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

HUMAYRO

28 Nov, 08:53


#хабарландырыў

Узақ жыллар Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы ҳәм Нөкис қаласында жайласқан "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" атындағы орта арнаўлы Ислам билим журты директоры лаўазымларында табыслы жумыс ислеп келген Шамсуддин Баҳауддинов ден-саўлығына байланыслы, өз арзасына муўапық лаўазымларынан азат етилди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

HUMAYRO

06 Oct, 06:22


#ҳикмет   

ЖАҚСЫЛЫҚ ЖЕРДЕ ҚАЛМАС!

Жақсы көрген нәрсем үстинде таң аттыраман ба яки жаман көрген нәрсем үстинде ме, маған парқы жоқ.
Себеби, жақсылық - жақсы көргенимде ме ямаса жаман көргенимде ме, мен билмеспен.
     Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу.

Сондай мәўритлер келеди, сен әззи, шарасыз, деп есаплаған инсан саған ең үлкен жәрдем береди.
     Аз-Замахшарий.

Дин ҳәм дыянаттан болмағыл жырақ,
Жолыңды жарытар ол мәңги шырақ,
Әмеллериң ушын жәннетти алсаң,
Неъмат бар ма, тағы оннан жақсырақ?

Каналымызға ағза болың!!! 👇

👉 Telegram | instagram | youtube

HUMAYRO

06 Oct, 05:10


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Telegram | instagram
| youtube | facebook

HUMAYRO

06 Oct, 04:10


Ассаламу алайкум! Жума күни мүбәрек болсын!!!

Жақынларыңызды Жума күни менен қутлықлаўыңыз ушын арнаўлы «@humayrouz_bot» хызметинен пайдаланыўыңыз мүмкин.
Ботымыз сизге жақынларыңыздың атын жазып шырайлы дизайнда 20 секундта Жума күни кутлықлаўы ислеп береди.
Ботымыз хызметинен пайдаланың.

Боттан пайдаланыў ушын төмендеги силтемени басың. 👇👇👇👇👇👇

👉
@humayrouz_bot

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Telegram | instagram | youtube

HUMAYRO

06 Oct, 03:05


#күн_ҳәдиси

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.
Байҳақий рәўияты.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Telegram | instagram | youtube

HUMAYRO

06 Oct, 02:30


Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń!

👉 Telegram | instagram | youtube

HUMAYRO

06 Oct, 02:30


Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń!

👉 Telegram | instagram | youtube