ХАБАР 24

@xabar24_karakalpakstan


🌐 Жаңаша, креатив ҳәм оператив усылда жумыс алып барыўшы исенимли канал.

📶 Информацияның жаңаша толқынын биз бенен қарсы алың.

📬 Мүрәжат жоллаў: @Online_admin22

ХАБАР 24

16 May, 12:35


Ҳүрметли, қарақалпақстанлы жаслар!

Сизлерди бүгин, саат 18:00 де Бозатаў районы орайлық стадионында болып өтетуғын Бозатаў ФЕСТ — Жаслар ҳаўазы фестивалының жеңимпазларын сыйлықлаў ҳәм салтанатлы жабылыў мәресимине мирәт етемиз.

Сыйлықлаў мәресиминде өзбек ҳәм қарақалпақ эстрада жулдызлары қатнасыўындағы гала-концерт бағдарламасы да орын алған.

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

16 May, 05:33


🌂 Қытайлықлар жазғы саябанларды сатыўға шығарды — олар жаўыннан қорғаў ўазыйпасын емес, керисинше ыссында суў себип салқынлық жаратады.

Аliexpressде бундай саябан баҳасы шама менен 50 долларды қурайды, қымбатлаў версиялары да бар — оларға powerbank орнатылған.

Бундай саябанды сатып алған болармедиңгиз?

Не шықсада Қытайдан шығады😂

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

16 May, 04:06


#Билесизбе

🔰Пуқаралар улыўмалық пайдаланыўдағы суў ҳәўизлеринде 5 кг ға шекем балықларды аўлаўларына рухсат берилген.

🚫 Тѳмендеги усылларда балық аўлаў қадаған етиледи:

▫️барлық түрдеги торлар менен;

▫️тесиўши балық аўлаў әсбаплары (найза ҳәм басқалар) менен;

▫️электр тогы, химиялық, нәшебентлик ҳәм биологик препаратлар, жарылыўшы элементлер;

▫️оқатар қураллар;

▫️үйде ислеп шығарылған электр тутқышлы қурылмалар.

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

16 May, 03:43


💸 Доллардың рәсмий курсы көтерилиўди даўам етпекде

Доллар сўм 12 727,96 (+17,01)
Рубль 139,46 сўм (+0,40)
Евро 13 781,84 сўм (+62,91)

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

16 May, 02:38


Субсидия ажыратыў бирден-бир электрон платформа арқалы әмелге асырылады

Нызамшылыққа муўапық, пуқаралар ҳәм исбилерменлерге субсидия ажыратыў менен байланыслы барлық хызметлер басқышпа-басқыш «Пуқаралар ҳәм исбилерменлерге субсидия ажыратыўдың бирден-бир электрон платформа»сына өткерилиўи
белгиленген.

▶️Сондай-ақ, субсидияларды ажыратыўдың мақсетке муўапықлығы электрон платформа арқалы онлайн тексериледи.


Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

16 May, 02:18


#Рәсмий мүнәсибет

Социаллық тармақ арқалы Нѳкис қаласындағы 9-санлы жѳнелисли такси бойынша жәрияланған мүрәжатқа Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тѳмендегилерди мәлим етип билдиреди.


Мүрәжатта атап ѳтилген Нɵкис қаласындағы 9-санлы «Орайлық базар-Теле орайы» жөнелисине "Бай ата" ЖШЖ тәрепинен 18 дана микроавтобус жолға қойылды.

Сондай-ақ,  халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде шәртнама тийкарында жол ҳақысы 1500 сўм етип белгиленди.

Бүгинги күнде жәмийетлик транспортлардың жетиспеўшилиги тек азанғы, түски ҳәм кешки ўақытлары бақланып атыр. Бирақ күнниң басқа ўақытлары автотранспортлар еркин ҳәрекетленбекте.

Соны да айтып ѳтиўимиз керек, 9-санлы маршруттың жол ҳақысы 1500 сўм болғанлығы себепли жолаўшыларда жол жѳнекей усы жѳнелистен пайдаланады. 

Деген менен бул аймақта жолаўшылар ағымының кѳп болыўына байланыслы Транспорт министрлиги тәрепинен жөнелис паспортына өзгерис киритип, қосымша автотранспортлар қосыў иләжлары кѳрилмекте.

Ҳәзирги ўақытта Транспортты қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими инспекторлары тәрепинен автотранспорт басқарыўшыларына түсиник жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

15 May, 14:26


⚡️ Өзиниң үйине котлован қазып атырған адам билместен қоңсылас үйге зиян жеткерип қойды, қоңсыласының үйи ҚУЛАП ТҮСДИ. 😨

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

02 Mar, 05:47


❗️Rolls-Royce компаниясы өзиниң ең қымбат Arcadia Droptail автомобилин шығарды.

Arcadia Droptail 30 миллион долларға баҳаланған.

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

02 Mar, 05:03


Оқытыўшының оқыўшыға қойған баҳасына ата-ана араласыўға ҳаққысы бар ма?

⛔️ Егер оқытыўшы ямаса басқа шахс сабағыңызға кесент етсе ямаса ол сизиң оқыўшыларды баҳалаўыңызға араласса ҳәкимшилик жуўапкершикке тартылады.

📑 Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 197-5-статьясына муўапық, педагог хызметкердиң кәсиплик жумысына тәлим алыўшылар билимин туўры ҳәм қалыс баҳалаўына тәсир көрсетиў менен нызамға қайшы түрде араласыў ямаса педагог хызметкердиң хызмет ўазыйпаларын орынлаўына тосқынлық етиў:

👉 пуқараларға — базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 7 есесине шекем;
👉 лаўазымлы шахсларға болса — 7 есесине 10 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

☑️ Бул жағдайда оқытыўшы ата-ананың ҳәрекетлери үстинен районлық ИИБге мүрәжат етиўи керек.

📬 Постты барлық ата-аналарға ҳәм педагог танысларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

01 Mar, 14:45


#Ҳуқықты_билген_пайдалы

❗️Техникумда окып атырған айырым студент-қызлар аралықтан оқыў билимин алыўлары мүмкин.

Нызамшылыққа көре, қурылыс транспорт, коммунал, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларындағы коллеж ҳәм техникумларда кәсип (қәниге) ийелеў нийетинде болған ҳаял-қызлардың толық мәмлекет гранты тийкарында билим алыўлары мүмкин.
3 жасқа шекем перзенти болған студент-қызлар аралықтан оқыў имканиятына ийе.

👉Дерек: ПП-87-санлы 07.03.2022 ж

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

01 Mar, 13:00


Балық жети ғәзийнениң бири

Қыйтақ жер дәрамат дереги. Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып, шаңарағы дәраматына дәрамат қосып атырған, аз жерден мол зүрәәт алып атырғанлар саны күннен-күнге артып бармақта.

Елликқала районы «Бостан» мәҳәллесинде жасаўшы Раматулла Абдуллаев та қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып, бүгинги күнде жети ғәзийнениң бири болған балық жетистириўди жолға қойған.

Ең баслысы, 2 соток жерде жасалма ҳәўиз қурып, бүгинги күнде шаңарағына қосымша дәрамат киргизип атыр.

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

01 Mar, 12:58


Шыпакердиң мәсләҳәтисиз дәри қабыллаў сизиң денсаўлығыңыз ушын зыянлы болыўы мүмкин!

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

01 Mar, 12:57


❗️«Шлем кийиң яки светофорда турабериң»

🛵 Сырт еллердиң биринде светофорда мотоцикл яки мопед сыяқлы транспорттағы адамлар басына шлем киймей турған болса, "қызыл" жанып турабереди екен. Тек ғана олар басына шлемди кийгенде "жасыл" жанады.

Пуқараларды нызамға бойсындырыўдың зор усылын таўыпты.

☝️Видеодағы таблодағы жазыў испан тилинен аўдарғанда «Шлем кийиң яки светофорда турабериң».

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

01 Mar, 08:18


🌸💐 Бәҳәр келди!

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️

ХАБАР 24

01 Mar, 08:16


Дубай қаласында қарақалпақстанлы художниклердиң көргизбеси болып өтти

Усы жылдың 23-февраль күни Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында жайласқан “Andakulova Gallery” галереясында қарақалпақстанлы жас художниклер Бахтияр Серекеев ҳәм Темур Шардеметовлардың “Фантазия ҳәм әрманлар арасында” атлы көргизбеси ашылды.

Мағлыўмат орнында, “Andakulova Gallery” галереясында атақлы заманагөй художниклердиң көргизбелери шөлкемлестириледи.

Каналға ағза болыў:
🟦 @XABAR24_KARAKALPAKSTAN ❤️