Toqpaq_ata_uz

@toqpaq_ata_uz


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!

Toqpaq_ata_uz

22 Oct, 20:00


23—ОКТЯБРЬ 2024—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 06:06

🕌    ҚУЯШ — 07:28

🕌    ПЕСИН — 12:48

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 16:23

🕌    ШАМ — 18:10

🕌    ҚУПТАН — 19:30

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇

👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

22 Oct, 13:29


#Пайдалы

🙄 Кеселликлерге сабыр еткен мөмин-мусылман бендеге бир неше түрли сыйлықлар ўәде етилген:

1️⃣Гүналардың жуўылыўы;

2️⃣Дәрежелердиң көтерилиўи;

3️⃣Қәтелердиң өширилиўи;

4️⃣Аллаҳ тәрепинен жақсылық ерк қылыныўы;

5️⃣Дәрттиң аўырлығына қарап, сыйлықтың көбейип барыўы;

6️⃣Дәрт шегип, сабыр етип, саўалған адам гүналардан пәк болыўы;

7️⃣Тартылған дәрт ақырет азабы орнына өтиўи;

8️⃣Аўыр дәртке сабыр етиў бендениң жәннетке кириўине себеп те болыўы.


📚 Ҳәдис ҳәм турмыс: "Емлеў ҳәм дем салыў" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

22 Oct, 09:36


#VIDEOLAR

⁉️So‘nggi paytlarda soxta salafiylarning qarashlari xato ekani, ular tutgan yo‘l noto‘g‘ri ekani ko‘p bora aytilsa-da, ba’zilar haligacha ularga ergashib ketayotganini ko‘rish mumkin. Aslida, shu kabi adashgan toifalarning musulmonlarga qanday zarari bo‘lishi mumkin. Axir ular ham islomdan gapiradi-ku?

✔️Shayx Saloh Abulhoj

Kanalimizga obuna bo‘ling va do‘stlaringizga ham ulashing!

🌐Ziyo.uz | Telegram | 🌐Instagram |📹 Youtube

Toqpaq_ata_uz

22 Oct, 05:32


#күн_ҳикмети

   Адам баласының бахытсызлығының негизги себеби - бүгин бахытлы екенлигине итибар бермей, ертеңги бахытын күтиўинде. Ал ертеңи келгенде "кешеги күним бүгингиден жақсы болып еди" деўинде. Сөйтип, кеше де, бүгин де бахытсызлыққа урынады.



Биз бенен бирге болың!

👉https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

22 Oct, 05:32


Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Сийшемби күни



  Сийшемби күниңиз қайырлы болсын!

     22-Октябрь                             2024
     19-Робиъус сәний                 1446



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

Toqpaq_ata_uz

21 Oct, 22:47


22—ОКТЯБРЬ 2024—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 06:05

🕌    ҚУЯШ — 07:27

🕌    ПЕСИН — 12:48

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 16:25

🕌    ШАМ — 18:12

🕌    ҚУПТАН — 19:31

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇

👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

21 Oct, 10:53


#muftiy_minbari

📹 ОЛТИНДАН ҚИММАТ НЕЪМАТ
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎞 YouTube |📝 Telegram |💻Instagram |📝 Facebook

Toqpaq_ata_uz

21 Oct, 06:02


Мойнақ районы бас имам-хәтиби Рахимжан Тлеўбаев Мойнак районы Бозатау АПЖ хыметкерлери, махалле моллалары хам көше бийлери қатнасында
"Мерекелерди ыкшам өткериу, диний экстремизм ҳәм миссонерликтиң алдын алыў ҳаққында үгит-нәсият жумысларын алып барды.

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

👉  Telegram | https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

21 Oct, 04:17


#Қараң

   Ибн Аббас разыяллаҳу анҳума айтады:

   Ҳәй гүнаға қол урыўшы қол! Сен оның (қылған гүнаңның) ақыбетинен ҳәргиз аманда емессең!
   Гүна қылып турып, қасыңдағы адамлардан уялмаўың қылған гүнаңнан да үлкен.
   Аллаҳ таала сол гүнаңды не қылыўын (кеширедиме кеширмейдиме) билмей турып күлиўиң гүнадан да үлкен.
   Бир гүнаны қылыў имканиятын қолға киргизгениң ушын қуўаныўың қылынған гүнадан да үлкен.
   Бир гүнаны қыла алмағаныңа қайғырыўың сол гүнаны қылғаннан да үлкен.
   Гүна қылып турып, пердени қыймылдатқан самалдан қорқыўың, бирақ Аллаҳ көрип турғанынан жүрегиң қалтырамаўы сол гүнадан да үлкен.

   Аллаҳ таала Айюб алайҳиссәләмды қайсы гүнасы ушын денеси ҳәм малына соншелли мүсийбет жеткергенин билесеңбе?

   Айюб алайҳиссәләмның бар-жоқ гүнасы сол, бир мискин оннан басына түскен зулымды кеткизиўде жәрдем сораған, ол болса оған жәрдем бермеген, залымға нәсият қылмаған ҳәм оны мискинге зулым қылыўдан қайтармаған еди. Сол себептен Аллаҳ таала оны бәлелерге батырып жиберди.


👉 Телеграм|  https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

21 Oct, 04:17


🍃🌹🍃 Сеннен қәтержамлығың ҳаққында сораса, "Әкемниң аяқ кийимлери босағада!" деп жуўап бер.

Әке - шегаралары беккем шегараланған ўатандур.

Әкеси барлар...!


https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

21 Oct, 04:16


Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Дүйшемби күни



  Дүйшемби күниңиз қайырлы болсын!

     21-Октябрь                             2024
     18-Робиъус сәний                 1446



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

Toqpaq_ata_uz

20 Oct, 22:58


21—ОКТЯБРЬ 2024—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 06:04

🕌    ҚУЯШ — 07:26

🕌    ПЕСИН — 12:48

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 16:26

🕌    ШАМ — 18:13

🕌    ҚУПТАН — 19:32

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇

👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

20 Oct, 14:20


🕌 Мойнақ районы бас имам-хатиби
🎤 Рахимжан Тлеўбаев

▶️ Тема:
📌 #МАЪРУЗА: Такаббыр инсанның екинши белгиси
01:36
📥 18.9 Mб

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

👉  Telegram | https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

20 Oct, 14:20


МУСЫЛМАННЫҢ КЕЎИЛСИЗ ХАБАРДЫ ЖЕТКИЗИЎИ

     Тосаттан жүз берген кеўилсиз ҳәдийсе яки достың ямаса танысыңның бир жақыны әлемнен өткени киби ҳалатлар ҳаққында хабар жеткизип атырғаныңда еситиўшиге оғада мүләйим бол. Мүсийбетти жеңиллеў қабыл қылатуғын сөзлерди қоллан. Биреўдиң көз жумғанлығын айтпақшы болсаң, оған топа-торыстан “бүгин пәленше дүньядан өтти”, деп айтра, бәлки “Еситиўимше пәленше қатты бийтап болып қалыпты. Аҳўалы барған сайын аўырласыпты. Айтыўларынша, ол қаза болыпты. Аллаҳ рахметине алсын”, деп айт.
     Биреўдиң қайтыс болғаны ҳаққындағы хабарды билдириўде оның анық атын айт. Себеби, әўбетлесиўиңе “Бүгин ким өлгенин билесең бе?” яки “Бүгин бир адам өлипти”, деп айтсаң, оның қыялына биринши нәўбетте өзиниң кесел яки жасы үлкен ямаса өспирим жақынларынан бири келип, қәўетер алады. Жоқарыдағыға уқсас орынсыз саўаллар ол инсанды есеңкиретип қояды. Сол себепли гәпти көз жумған адамның исми менен басласаң, еситиўшиге көп түсиникли болады ҳәм артықша қорқыў да пайда қылмайды. Нәтийжеде, хабары берилип атырған ўақыя ҳеш кимди қорқытпай, тек қолайсыз мағлыўмат сыпатында қабылланады.
     Кеўилсиз ҳәдийсе ҳаққында хабар бермекши болсаң, буның ушын мүнәсип ўақытты таңла. Ҳасла тағамланыў ўақтында, уйқыдал алдын яки бийтаплық ҳалатындағы яки қорқып турған адамға бул ҳаққында гәп айтпа.
     Бундай орынларда ҳикмет ҳәм зийреклик пенен ис тутыў ең гөззал ислерден есапланады. Аллаҳ таала жолбасшың ҳәм ислериңниң ғамқоры болсын.

📚"Мусылманның 35 әдеби" китабынан үзинди.

🔗 Үлесиң: https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

20 Oct, 14:20


#рәўият

Сықмар дәмегѳй

Ески заманда сақаўаты менен аты шыққан бир патша алдына келип туратуғын адамлардан бирене:
— Мен бир адамға мың тиллә бережақпан, сен не мәсләҳәт бересең?—деди.
— Бунша кѳп пулды бир адамға берип болмайды,— деп мәсләҳәт берди.
— Онда ярымын берсем бола ма?
— Ол да кѳплик қылады.
— Үштен бирин берсем бола ма?
— Ол да кѳплик қылады.
— Тѳрттен бирине не дейсең?
— Ол да кѳп.
Соннан кейин ол патшаға бир адамға жүз тилләдан кѳп берип болмайды, деп мәсләҳәт етип:
— Бир адамға жѳз тиллә бериў де кѳп, сонда да бере қойың,— деди. Патша оның гәпин еситип:
— Қандай бахытсыз адамсаң? Мен бул мың тилләны саған бережақ едим. Берген мәсләҳәтыңның саясында мың тилләдан ѳзиңди айырдың ҳәм мени де сақаўаттан тостың,— деди.
Ол киси патшаның сѳзин еситип оғада ѳкинип:
— Мен қәтелесиппен, меннен мийримиңизди аямаң,— деди. Патша оның жалынып-жалбарыныўына қарамай:
— Сен ѳзиң усыған лайықсаң, жақсылыққа жарамайтуғын ҳимметсизсең, пәс адам екенсең. Ѳзиңе де, маған да зыян жеткердиң. Маған берген зыяның – егер сол мың тилләны бергенимде, қанша саўапқа қалып кеткен болар едим. Ѳзиңе берген зыяның – сонша тилләдан айырылдың. Енди ѳзиңниң сѳзиңе кѳре саған жүз тиллә беремен, ма ал, буннан кейин мениң қасыма келме,— деди. Патша оған жүз тилләны берип, алдынан қуўдырып жиберди.


🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐🌐

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

20 Oct, 04:54


Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Екшемби күни



  Екшемби күниңиз қайырлы болсын!

     20-Октябрь                             2024
     17-Робиъус сәний                 1446



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

Toqpaq_ata_uz

19 Oct, 20:16


20—ОКТЯБРЬ 2024—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 06:03

🕌    ҚУЯШ — 07:25

🕌    ПЕСИН — 12:49

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 16:28

🕌    ШАМ — 18:15

🕌    ҚУПТАН — 19:34

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇

👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz

Toqpaq_ata_uz

19 Oct, 13:35


#аят #дуўа

  🤲 "Егер олар Аллаҳ ҳәм Оның Пайғамбары берген нәрселерге разы болып: «Бизлерге Аллаҳ жетерли. Аллаҳ бизлерге Өзиниң кеңшилигинен береди. Оның Пайғамбары да (береди), бизлер Аллаҳты (Оның разылығын) қәлеймиз», – дегенинде (өзлерине жақсы болар еди)". Тәўбә сүреси, 59-аят.

    Бул дуўа ҳаққында айтылғанда, ол сизлерге жақсылықларды үлеседи делинген.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/Toqpaq_ata_uz