Бабаниязов Қыдырнияз

@qidirniyazbabaniyazov96


Бул жеке каналым
Каналда:
Қосықлар(текст)
Видеолар🎥
Аудиозаписьлер🎤
болады.
Қош келдиңлер!
Байланыс ушын: @qidirniyazbabaniyazov

Бабаниязов Қыдырнияз

23 Oct, 03:26


ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ

Жигит едиң Айбек, өзиң ес енген,
Уртлап едиң аз-кем ақыл кесемнен,
Кир ақтардың және тырнақ астынан,
Жақсылықты көрип үйрен десем мен.

Мин ақтарсаң жақсы ислер мий сенде,
Қәте таптың тил деп жанып күйсемде.
Ойлаўыңша, ГАИ қағыйда бузбайды,
Яки молла гүнә қылмас дейсең бе?

Бабаниязов Қыдырнияз

09 Oct, 04:27


АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ

Мин ақтарыў, аға, ырас шеберсиз,
Бирақ биз де ақ түйени көргенбиз.
«Тилди жойтпаў керек!» десип халыққа,
Бирақ, комментте «брат» деген екенсиз. 😃🤦‍♂

Айбек ҚУРБАНБАЕВ.

Бабаниязов Қыдырнияз

09 Oct, 03:58


ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ

Депти биреў: ақыллы едим дүньяны,
Өзгертиўге жолға шықтым төзимди.
Ал, данышпан болдым ҳәзир, дүньямес,
Өзгертиўге бел байладым өзимди.

Сен жигитсең, елдиң жүгин асынған,
Жәмийетке шын жүректен ашынған,
Ақыллы емес, болғың келсе данышпан,
Өзгеристи басла әсте шашыңнан.

Қыдырнияз БАБАНИЯЗОВ

Бабаниязов Қыдырнияз

09 Oct, 03:46


АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ

«Дос жылатып айтар» дейди бабалар,
Сонлықтан да, ҳәммеге мин тағаман.
Енди дурыс-ғой, елде бираз жара бар,
Қосық пенен сол жараны таңаман.

Айбек ҚУРБАНБАЕВ.

Бабаниязов Қыдырнияз

09 Oct, 03:31


ҚЫДЫРНИЯЗДЫҢ АЙБЕККЕ ЖУЎАБЫ

Өзи өркенлеп, сезимди қылып ўайран,
Кеўил аш боп адамның көзи тойған.
Бул заманның епкини қатты келди,
Жап-жас ғана жигитти қыйнап қойған.

Керисинше, елин сүйген жаслар бираз,
Не излесе адам соны табар ырас,
Жаманды емес жақсыны көрип үйрен,
Сонда сениң машқалаң болар дым аз.

Қыдырнияз БАБАНИЯЗОВ

Бабаниязов Қыдырнияз

09 Oct, 03:22


АЙБЕКТИҢ ҚЫДЫРНИЯЗҒА ЖУЎАБЫ

Тыныш елде бизге ҳешким тиймеген,
Жаслар шыққан туўған жерин сүймеген.
«Ҳәзир заман өзгерди» дер адамлар,
Яқ, заманды ҳәзир адам сүйреген.

Басым аман, ҳақыйқатты тилерим,
Жалғанлардан езиледи жүрегим.
Қосықларда келешекти ойлайман,
Бул темада сиз жағамды жибериң.

Айбек ҚУРБАНБАЕВ.

Бабаниязов Қыдырнияз

09 Oct, 03:10


АЙТЫСТЫҢ БАСЛАНЫЎЫ

Ел нәзерин өзимизге аўдырып,
Айтыс қурып, көрсетейик саў қылық.
Аўырмаса бақлаўшының бармағы,
Турсын қәне реакциясын жаўдырып.

Ал, Айбекжан, аш бөгетин сағаңның,
Тыныш елде тийип атыр саған ким?
Қосықларың шағымланыў, налыныў,
Не гәрдиши тийди саған заманның? 😃

Қыдырнияз БАБАНИЯЗОВ.

Бабаниязов Қыдырнияз

21 Sep, 04:26


Пышықтың баласы

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

17 Sep, 09:57


Если чё - …

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

16 Sep, 11:23


Серьёзна - …

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

12 Sep, 13:34


Хузури - …

Пайдалы мағлыумат

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

11 Sep, 18:04


“Қумның зәрресиндей болса да үлес қосайын”

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

25 Aug, 09:40


Қарсы пикирлер болса оқыýға тайынман.

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

25 Aug, 06:14


AZBÍRAY at. Qural-àsbap, qural-sayman, kerek-jaraq. Jumıslardıń azbırayı óz waqtında say boldı (J.Aymurzaev)

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

14 Aug, 04:39


Кеýлиңизге қонымлы болсын!

Бабаниязов Қыдырнияз

12 Aug, 16:48


Еркек еркеклигин ислеýи керек

Муң жаýыны тап басынан жаýса да,
Бахты тайып, төмен карап аýса да,
Жаý жағадан, ийт балақтан қаýса да,
Еркек еркеклигин ислеýи керек.

Сынақ келсе тақ төбеде түнеýге,
Түсседағы шыбын жаны гиреýге,
Жыламсырап дәртин айтпай биреýге,
Оның сабыр аты киснеýи керек.

Сүйген яры кетсе нәзер бурмастан,
Шын достына жүрсе кеýли толмастан,
Шарап ишип шайтанға қул болмастан,
Еркеклик тахтынан түспеýи керек.

Қойса тағдир табағыңды бос қылып
Туýысқаннан қалса көмек тосылып,
Жаманламай хаялына қосылып,
Еки қарыс тилин тислеýи керек.

Бабаниязов Қыдырнияз
07.12.2021

Каналға ағза болың
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

11 Aug, 14:52


Аманаттың қәдирин билген жигит, ар-намыстың да қәдирин биледи.

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

10 Aug, 09:13


ABIRJIW f. Gúdikleniw, gúmanlanıw, tınıshsızlanıw, enjarlanıw. Ol òziniń abırjıw oyların Maman menen ortaqlastı (T.Qayıpbergenov). Zoya dostınıń biymezgil uyqılap jatqanına abırjıw oyları payda boldı (A.Bekimbetov)

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96

Бабаниязов Қыдырнияз

09 Aug, 07:57


AĠARAŃLAW. f. Bir nàrseniń shala-sharpı kóriniwi, uzaqtan bozarańlap kòzge túsiwi, bozarıp kóriniw, eleslew. Kún nurına shaġılısıp, qarday aġarańlaydı (Aybek). Aġarańlap tań atıp kiyatır ( Ò. Xojaniyazov)

Каналға ағза болыý
https://t.me/qidirniyazbabaniyazov96