Ата-бабаларымыз перзентлерин үш аўыз сөз бенен тәрбиялаған...
Оның дәслепкиси: уят болады.
Екиншиси: жаман болады.
Үшиншиси: обал болады
Уят болады дегени - өлимнен уят күшли, уятлы исти ислеме дегени; Жаным арымның садағасы дегени еди;
Жаман болады дегени - жақсы сөз жарым ырыс, жаманлықтан аулақ жүр дегени, жақсының шарапаты, жаманның кесапаты тийеди дегени еди;
Обал болады дегени - ҳәр нәрсениң сораўы бар, саған қызық емес болған бир нәрсе басқа биреўге жүдә қымбат болыўы мүмкин дегени, ҳеш кимге көлеңкең түспесин дегени еди.
Жаман боладыға жақынламай, уят боладыға урынбай, обал болады дегенге ойлана қарайтуғын халықпыз ғой.!