IYMAN.UZ | Рәсмий канал

@iman_nur


Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

22 Oct, 15:44


#namaz_waqıtları

🔴Шымбай районы ўақты менен 23-Октябрь күнги намаз ўақытлары

📌«ХАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 06:40

ПЕСИН — 13:30

  НАМАЗЛЫГЕР — 16:30

  ШАМ — 18:10

  ҚУПТАН — 19:35

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

22 Oct, 15:33


МӘНИСИ ТУЎРЫ, БИРАҚ НАТУЎРЫ ҚОЛЛАНЫЛАТУҒЫН СӨЗЛЕР

📌 Үлкен мәнини қамтыған, бирақ тәғдир мәселесин натуўры түсиниўден келип шығып, орынсыз қолланылып атырған гәп-сөзлер талай ғана. Оларды турмыста қолланыў, надурыс қолланыўдан сақланыў мақсетинде айырымларын келтирип өтемиз. 👇👇👇

"ҚУДАЙДЫҢ АЙТҚАНЫ БОЛАДЫ"

_Ҳақыйқый мәниси: Пүткил барлықта Аллаҳтың қәлегени ғана жүз береди. Оның қәлеўисиз ҳеш нәрсе болмайды.
Бул мәниниң туўрылығына зәрреше гүман жоқ.

*Ҳәзирде қолланылыўы:* Ҳәр қандай жуўапкершиликтен қашатуғын, бирақ буны ашықшасына тән алмайтуғын адамлар тәрепинен көп қолланылады.

*"ҚУДАЙҒА АҢСАТ"*

*Ҳақыйқый мәниси: Аллаҳ ушын қыйын истиң өзи жоқ. Ҳәмме ис Оған аңсат.
Бул мәниниң де туўрылығына гүман жоқ.

*Ҳәзирде қолланылыўы: Қолын салқын суўға урмайтуғын яки ҳеш нәрсе қылмай ҳәмме нәрсели болыўды қәлейтуғын адамлар көп қолланады

"ӨЗИ ИНСАП БЕРСИН"

Ҳақыйқый мәниси: Бендеге ҳәмме нәрсени Аллаҳ береди. Ақылды да, парасатты да, байлықты да. Барлықта Аллаҳтан басқа бериўге қәдир болған ҳеш ким жоқ дегени.
Бул жүдә туўры гәп
.

*Ҳәзирде қолланылыўы: Аш қарным, тыныш қулағым деп жасайтуғын, турмысын жақсылаў ушын ҳеш нәрсе қылмайтуғын адамлар өз айыпларын жасырыў ушын қолланады.

❗️_Бундай сөзлер оғада көп.

❗️*ЕСЛЕТПЕ:* Әпиўайы адамларға түсиниў аңсат болыўы ушын илажы барынша ақылый дәлиллерге сүйенилди. Аят ҳәм ҳәдислер келтирип өтилмеди. Өйткени, әҳли илимлеримиз қайсы аят ҳәм ҳәдиске муўапық келиўин жақсы биледи.

📚"Мусылман ушын зәрүр билимлер"
китабынан.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

22 Oct, 13:14


#ҳәдис #салаўат

     Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
      "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким маған таң атқанда он ҳәм кеште он салаўат айтса, Қыямет күни шәпәәтиме ериседи", деди".

Имам Табараний рәўияты.

      Аллооҳуммә солли аләә сәййидинәә Муҳаммад.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

22 Oct, 10:15


#ҳәдис

🌙 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Аллаҳтың алдындағы ең үлкен гүналардан" деп санап өтип, олардан: "Ҳәм ақырғысы қандайда бир шыбын-ширкей, жәниўарды бийҳуўда өлтириў", деди.

  📖 Имам Ҳәким рәўияты.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

22 Oct, 06:22


#аят

    "Жақсылық пенен жаманлық тең болмас. Сен (жаманлықты) гөззаллырақ (мәмиле) менен қайтар. (Сондай қылсаң) кейин, бирден сениң менен арасында душпаншылық бар адам тап қайнаған (қалың) достай болып қалады".

  📖 Фуссилат сүреси, 34-аят.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

22 Oct, 03:11


#дуўа #зикир

     ТАҢҒЫ ЗИКИР

     Умма Салама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бамдад намазында сәлем берип:
     "Аллооҳуммә инний әс-әлукә ъилмән нәәфиъан ўә ризқон тоййибән ўә ъамәлән мутәқоббәләә", деп айтар еди".

     Мәниси: Аллаҳым, Сеннен пайдалы илим, пәкизе ырысқы, қабыл болатуғын әмел сорайман.

  📖 Ибн Мажа раўияты


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

22 Oct, 01:34


Ассаламу алайкум!

Бүгин Сийшемби күни

Сийшемби күниңиз қайырлы болсын!

22-Октябрь 2024
19-Робиъус сәний  1446

🤝ҚАЙЫРЛЫ КҮН ӘЗИЗЛЕР!

🤲🏻Аманлықта және бир пайызлы таңның, пайызлы күнниң гүўасы болдық. Буның ушын Аллаҳ таалаға шексиз ҳәмдларымыз, шүкирлеримиз болсын!

🤲🏻 Аман-есен таң аттырған ҳәр бир мусылман адам таңды өзгеше қарсы алыўы ҳәм мына сөзлерди тәкирарлаўы мақсетке муўапық ис болады: «Аллаҳ таалам, инам еткен бүгинги күниңе шексиз шүкиршилигимди билдиремен ҳәм бул күнди ийгиликли, пазыйлетли, саўаплы ислерге ҳәм жоқары мақсетлерге сарыплайман!»


Аллаҳ таала бүгинги күнди ҳәммемизге беректли қылсын Қәлбиңиздеги бәрше жақсы арзыў-мақсетлериңиз, нийетлериңиз болса бүгин артығы менен әмелге ассын!

🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

21 Oct, 15:45


#namaz_waqıtları

🔴Шымбай районы ўақты менен 22-Октябрь күнги намаз ўақытлары

📌«ХАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 06:40

ПЕСИН — 13:30

  НАМАЗЛЫГЕР — 16:35

  ШАМ — 18:15

  ҚУПТАН — 19:40

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

21 Oct, 15:36


#дуўа

    ТҮНДЕ ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

     Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Түн болғанда: «Аъуўзу бикәлимәәтилләәҳит тәәммәти мин шәрри мәә холақ» десең, иншааллаҳ ҳеш нәрсе зыян бермейди», деди.

                (Әбиў Даўыд рәўияты).

    Дуўаның мәниси: «Аллаҳ тааланың кәмил кәлиймалары менен Ол жаратқан нәрселердиң жаманлығынан пана сорайман».

     Аллаҳ таала түниңизди қайырлы қылсын! Аманлықта, саламатлықта көрискенше әзизлер!


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

21 Oct, 13:31


#ҳикмет

Әўели Аллаҳтан қорқыў, ақыры тәўбе болған барлық гүна бендени Аллаҳға жақынластырады.

🔻Басы қәтержамлық, ақыры ужб болған барлық ибадат Аллаҳ тааладан узақластырады.

🔸Ужб пенен ибадат қылған адам гүнакар болады. Гүна етип пушайман болып, тәўбе еткен адам итаатлы есапланады.

📖 Жаъфар Садық раҳматуллаҳи алайҳ

    Ужб: қылған ибадатына мақтанып, өзин бәлент алыў.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

21 Oct, 10:40


#тәрбия

1. Дене тәрбия.
Баланың денеси саламат тәризде үлкейип, раўажланыўы ушын зәрүр болатуғын пуқта ислеп шығылған, тең салмақлы аўқатланыў тәртиби сыяқлы барлық талапларды тәмийнлеў.

2. Саламатлық тәрбиясы.
Балаға ден-саўлықты сақлаўда, тийкарғы санитария-гигиена ислеринде лазым болған нәрселерди тәлим бериў, керекли дәри-дәрманлар менен тәмийнлеў, саламатлық ушын зәрүр усылларды үйретиў.

3. Ақлый тәрбия.
Баланы мәдениятлы қылыў ҳәм тәлимине итибар қаратыў ҳәм де ондағы жасырын қәбийлетлерди шығарыў ҳәм раўажландырыў ушын излениў.

4. Руўхый, психологик тәрбия.
Баланың турмысына сәйкес болған қоршаған орталықты жаратыў ҳәм оның өзине болған исенимин көтериў, күшейтиў.

5. Социяллық тәрбия.
Баланың социяллық байланыслары ҳәм дослары менен байланысы, мүнәсибетлеринде өзин қандай тутыўын гүзетиў ҳәм қәтелер жүзеге келетуғын болса, өз орнында туўрылаў.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

21 Oct, 09:45


#muftiy_minbari

📹 ОЛТИНДАН ҚИММАТ НЕЪМАТ
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎞 YouTube |📝 Telegram |💻Instagram |📝 Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

21 Oct, 06:36


#Уллылар_нәсияты

    Өзи жақсы нәрселерди жеп ҳәм пайдаланып жүрген ҳалда шаңарағын итибарсыз таслап қойыў ер адам ушын унамсыз ис.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

21 Oct, 03:16


#ҳикмет

🔻 "Ҳәр қашан ерте оянсаң, бахтыярлығың да үлкен болады, нәпсиң көп рәҳәт табады, жүзиң көбирек нурлы болады ҳәм Аллаҳ таала көбирек ырысқыландырады".

  📖 Муҳаммад Ратиб Наблусий


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

21 Oct, 01:40


Ассаламу алайкум!

Бүгин Дүйшемби күни

Дүйшемби күниңиз қайырлы болсын!

21-Октябрь 2024
18-Робиъус сәний  1446

🤝ҚАЙЫРЛЫ КҮН ӘЗИЗЛЕР!

🤲🏻Аманлықта және бир пайызлы таңның, пайызлы күнниң гүўасы болдық. Буның ушын Аллаҳ таалаға шексиз ҳәмдларымыз, шүкирлеримиз болсын!

🤲🏻 Аман-есен таң аттырған ҳәр бир мусылман адам таңды өзгеше қарсы алыўы ҳәм мына сөзлерди тәкирарлаўы мақсетке муўапық ис болады: «Аллаҳ таалам, инам еткен бүгинги күниңе шексиз шүкиршилигимди билдиремен ҳәм бул күнди ийгиликли, пазыйлетли, саўаплы ислерге ҳәм жоқары мақсетлерге сарыплайман!»


Аллаҳ таала бүгинги күнди ҳәммемизге беректли қылсын Қәлбиңиздеги бәрше жақсы арзыў-мақсетлериңиз, нийетлериңиз болса бүгин артығы менен әмелге ассын!

🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

20 Oct, 15:56


#namaz_waqıtları

🔴Шымбай районы ўақты менен 21-Октябрь күнги намаз ўақытлары

📌«ХАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 06:40

ПЕСИН — 13:30

  НАМАЗЛЫГЕР — 16:35

  ШАМ — 18:15

  ҚУПТАН — 19:40

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

20 Oct, 15:46


👉 #перзент_тәрбиясы
Ата-ана менен мәмилеңдеги отыз бес әдеп:

    1.  Қасында болған гезиңде телефоныңды өширип қойыўың;
    2.  Сөйлеп атырғанында үндемей турыўың;
    3.  Кеўиллерин жықпаўың;
    4.  Айтқанларын мақуллап турыўың;
    5.  Оларға өзиңди пәс тутып қараў;
    6.  Оларға бәрҳә мақтаў айтып турыўың;
    7.  Олар менен қуўанышлы хабарларды бөлисиўиң;
    8.  Жаман хабарларды олардың алдында сөйлемеўиң;
    9.  Олар жақсы көретуғын адамларын, досларын мақтаўың;
    10.   Жетискен сәтлиликлерин бәрҳә еслетип турыўың;
    11.   Егер қайта-қайта сөйлей берсе де, гәплерин мақуллап кеўлин көтерип турыўың;
    12.   Өтмиштеги ызалы сәтлерди зикир етпеўиң;
    13.   Артықша гәплерден шетлениўиң;
    14.   Алдыларында ҳүрмет етип отырыўың;
    15.   Пикирлерин пәс, кемтик санамаўың;
    16.   Гәплерин түўеспей турып, еситпей кетип қалмаўың;
    17.   Олардың жасын сыйлаўың ҳәм шаршап дем алып атырғанында ақлықлары менен әбигер қылмаўың;
    18.   Олардың алдында ақлықларын жазаламаўың;
    19.   Барлық нәсият ҳәм пикирлерин қабыл қылыўың;
    20.   Олардың алдында оларға ҳүрмет көрсетиўиң;
    21.   Оларға даўысыңды көтермеўиң;
    22.   Олардан илгери ямаса олардың алдынан жүрмеўиң;
    23.   Аўқатқа олардан алдын қол созбаўың;
    24.   Оларға тикленип қарамаўың;
    25.   Олар менен мақтаныўың, егер олар усыған ылайық ис қылмаған болса да;
    26.   Олардың алдында аяқ созбаўың ямаса оларға терис қарап отырмаўың;
    27.   Сөгилиўлерине себеп болмаўың;
    28.   Барқулла олар ушын жақсы дуўа қылыўың;
    29.   Олардың алдында шаршағаныңды ҳәм қапалығыңды көрсетпеўиң;
    30.   Олар қылып қойған қәтелерге күлмеўиң;
    31.   Олар айтпай-ақ хызметлерин бежериўиң;
    32.   Оларды турақлы зиярат қылыўың ҳәм оларға ашыўланбаўың;
    33.   Олар менен сөйлескенде шырайлы сөзлерди терип ислетиўиң;
    34.   Оларға жағатуғын атлар менен хабарласыўың;
    35.   Оларды ҳәмме нәрседен және ҳәмме адамлардан үстем қойыўың.

    Ата менен ана – жер астына көмилиў қарсаңында турған жер үстиндеги ғәзийне. Айтылған затлардың ҳәр биреўи басқасынан кем емес. Солай екен, итибар менен оқыўыңды ҳәм ата-анаңа мәмиле қыларыңда нәпсиңди бир есап қылып алыўыңды нәсият еткен болар едик. Расында, жәннетке кириўиң, дүньядағы сәтлилигиң, арқайынлығың, мол ырысқыңның келиўи ҳәм бәлелерди кеткизиўиң – ата-анаңа қылған жақсылығыңның муғдарына қарап болады.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

20 Oct, 13:05


#аят

🌙 (Аллаҳ таала) айтты: «(Мен –) Ҳақпан, тек ҳақыйқатты айтаман» Сод сүреси, 84-аят.

Шолыў: Аяттағы биринши «ҳақ» сөзи Аллаҳтың исимлеринен болыўы да, «ҳақыйқат» мәнисин билдириўши сөз болыўы да мүмкин. Бирақ, екинши «ҳақ» ҳақыйқат ҳәм ҳақ гәп мәнилерин билдиреди. «Тек ҳақыйқатты айтарман» ибарасы ант мәнисин билдиреди.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

20 Oct, 10:02


#ҳәдис

🌙 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Тез, асығып жүриўден сақланың".


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

IYMAN.UZ | Рәсмий канал

20 Oct, 06:29


#тәрбия

Перзентиңиз уйқылап атырған ўақтында оған узақ тигилип қараң, оның айыпсыз ҳәм әззи екенин ойлаң.

Усы бийшара баланы урыў, оған бақырыў ямаса ғәзебиңизди шашыўыңызға ол ылайық па, сол исиңиз дурыс па деп, өзиңизден сораң.


🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook